ҲҮРМЕТЛИ ДОСЛАР!
Бизлер 2026-жыл календарына қосымша сизге
«Хош Хабар ўақыяларын» да усынамыз. Бул жерде он еки айлық календарьда берилген текстлер толық келтирилген. Оларда Қудайдың характери менен жобалары ашылады, адамзат машқалаларының негизги себеплери түсиндириледи ҳәм нәжетке алып баратуғын жол көрсетилип, келешекте тәғдиримиздиң қандай болатуғыны сүўретленеди.
Жаңа Келисим ўақыяларын дыққат пенен оқысақ, еки мың жыл бурын жүз берген сол әжайып ўақыяларды өз көзимиз бенен көргендей болып, масийхыйшылықтың қалай туўылғанлығын көремиз ҳәм Қудай Сөзин оқыўдан естен шықпас дәрежеде рәҳәт аламыз.
Бул ўақыяларды оқыўдан жүдә жарқын ҳәм жағымлы тәсир алғайсыз! Сондай-ақ, егер сиз Мухаддес Китап пенен толық танысыўды қәлесеңиз ямаса сизде сораўлар туўылып, руўхый жәрдемге мүтәж болсаңыз, сизге бул календарьды берген адамға хабарлассаңыз болады. Ол сизге Қудай Сөзин үйренетуғын исениўшилер жәмәәтиниң мәнзилин айтады.
ЕҢ АЛДЫ МЕНЕН ҚУДАЙ ПАТШАЛЫҒЫН ҲӘМ ОНЫҢ ҲАҚЛЫҒЫН ИЗЛЕҢЛЕР…
Матта жазған Хош Хабар 5, 6, 7 баплар
Ийса аламанды көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:
«Қудайға мүтәж екенлигин түсингенлер бахытлы! Аспан Патшалығы олардики! Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады. Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди. Ҳақлықты аңсап, оған умтылғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады. Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады. Жүреги тазалар бахытлы! Олар Қудайды көреди. Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады.
Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики.
Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар!
Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.
Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз кушын жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады.
Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди. Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин! Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим.
Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис. Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады. Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз. «Адам өлтирме! Ким де ким адам өлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли», – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўи тийис. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўи тийис. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўи тийис.
Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық орынға алып келгениңде, туўысқаныңның саған өкпели екени сол жерде есиңе түссе, қурбанлығыңды сол жерде, қурбанлық орынның алдында қалдырып, әўели туўысқаныңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер. Биреў саған қарсы даў көтерип, сени қазыханаға алып баратырғанда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды. Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң.
Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!» – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады. Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа тасланғанынан гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
Тағы да: «Ким де ким өз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин», – делинген. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады.
Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Жаратқан Ийе алдында антыңды орынла!» – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, өйткени ол – Қудайдың тахты. Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, өйткени ол – уллы Патшаның қаласы. Өз басың менен де ант ишпе, себеби сен шашыңның бир талын да я ағарта, я қарайта алмайсаң. Сизлердиң: «аўа» сөзиңиз «аўа», «яқ» сөзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан.
Сизлер: «Көзге көз, тиске тис», – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаң. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.
Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек көр» – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешелигиңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!
Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди адамларға көрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды. Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин. Сонда сен қылған қайырлы ис жасырын болады ҳәм жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
Дуўа еткениңизде, адамларға көрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм көшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы көретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Ал сен дуўа еткениңде бөлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, көзге көринбейтуғын Әкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады. Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар көп сөйлесек тыңлар деп ойлайды. Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Әкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи. Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Әкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, Жерде де Сениң еркиң орынлансын. Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр. Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей, Бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, Шайтаннан қутқара гөр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.
Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Сен ораза тутқаныңда, шашыңа әтир май жағып, бетиңди жуў. Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
Өзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды. Ал өзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды. Өйткени байлығыңыз қай жерде болса, жүрегиңиз де сол жерде болады.
Көз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың өзи қаншелли тас түнек болады! Ҳеш ким еки хожайынға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: жаныңыз ушын не ишип, не жеймиз деп, денеңиз ушын не кийемиз деп тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе?
Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Әкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме? Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лала гүллердиң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар!
Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер. Өйткени усылардың ҳәммесин бул дүньяға тийисли адамлар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Әкеңиз биледи. Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи. Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн өзи ушын өзи ғам жейди. Ҳәр күнниң өз ғамы өзине жетеди.
Ҳүким етпеңлер, сонда ҳүким етилмейсиз. Өйткени қәйтип ҳүким етсеңиз, сондай етип ҳүким етилесиз. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, өзлериңизге де сондай өлшем менен өлшеп бериледи. Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти алып таслайын», – деп туўысқаныңа айтасаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы алып тасла, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти алып таслай аласаң. Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Олар ҳинжилериңизди аяқлары менен басқылап, айланып келип өзлериңизди тилкимлеп таслайды.
Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма? Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма? Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
Солай етип, ҳәмме исте адамлардың өзлериңизге не ислеўин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.
Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да енли, оның менен жүретуғынлар көп. Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да енсиз, оны табатуғынлар аз. Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба?
Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Маған: «Ийе! Ийе!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. Заманның ақырғы күнинде көбиси Маған: «Ийе! Ийе! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен көп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди. Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман.
Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жартас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жартас үстине салынғанлықтан қуламады. Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламайтуғынлардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды. Ийса усы сөзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды. Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен адамларға тәлим берди.
Ал сиз өмириңизде ең ишинде неге ерискиңиз келеди? Сиз ушын ең қымбат, ең қәдирли нәрсе не? Жоқары мағлыўмат, жақсы кәсип, табыс, атақ, байлық, ҳәкимият ямаса жердеги басқа байлықлар ма? Бирақ булардың бәри өткинши нәрселер! Пүткил өмириңизди өткинши нәрселерге бағышлаған дурыс бола ма? Сиз қайсысын таңлайсыз: қәбир менен жуўмақланатуғын өткинши бахытты ма ямаса Қудайдың сизге бергиси келетуғын мәңгилик бахытты ма? Бул – мәңгилик өмир! Ийса Масийх бизлерди “ең алды менен Қудай Патшалығын излеўге” шақырады, сонда «қалған нәрселердиң ҳәммеси сизлерге қосымша бериледи», - деп Ол ўәде береди.
МЕНИҢ ЖАҚЫНЫМ КИМ?
Лука жазған Хош Хабар 10:25-37
Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан: «Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады». Ийса оған: «Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең?» – деди. Ол жуўап берип: «“Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, бар күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй”. Және де: “«Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй”, – делинген», – деди. Ийса оған: «Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң», – деди. Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан: «Мениң жақыным ким?» – деп сорады.
Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: «Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти. Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. Бир лебийли де сол жерге келип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. Бирақ сол жерден өтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны көргенде жаны ашыпты. Оның жанына барып, жарақатларын шарап пенен жуўыпты ҳәм май жағып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, ғамхорлық көрсетипти. Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық қәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти. Енди усы үшеўиниң қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
Нызам муғаллими: «Оған мийримлилик көрсеткени», – деди. Ийса оған: «Бар, сен де усылай исле», – деди.
Қайырхом самариялыға уқсас болыў ушын, өзимизде қандай қәсийетлерди раўажландырыўымыз керек? Неге қыйыншылыққа дус болған адамға басқа миллеттиң ҳәм басқа мәденияттың адамы көмек берди, ал биринши болып көмек бериўи тийис болған адамлар оған көмек бермей, қасынан өтип кетти? «Жақыным» деп кимлерди айтыўға болады? Көмегимизге қатты мүтәж адамлар барқулла бар болады. Егер бизлер оларға нәзер аўдарып, жәрдем қолларымызды созсақ, Қудай буны көрип, бизлерди жарылқайды. Әне, усындай етип бизлер Қудайдың ең баслы буйрықларын орынлаймыз.
ӘКЕ! ОЛАРДЫ КЕШИР...
Лука жазған Хош Хабар 23:13-43
Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, оларға: – Сизлер маған бул адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де оннан таппадым. Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. Сонлықтан оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул адамды жоқ қыл! Бизлерге Бараббаны босатып бер! – деп бақырысты. Барабба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди. Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты. Пилат ушынши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи? Мен оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди. Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи.
Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды. Әскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Шимон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи. Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар. Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди жерлеңлер!» – деседи. Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен? Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды. «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи.
Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. Ийса: – Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Әскерлер шек таслап, Ийсаның кийимлерин бөлисти. Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масийхы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди. Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип: – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести. Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масийх емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
Ал екиншиси оған кейип: – Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба? Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа киргениңде, мени есиңе ал! – деди. Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
Сизге қайғы ҳәм азап әкелген адамларды сиз кешире аласыз ба? Сиз не ушын қәлеген нәрсени ислеўге, ҳәтте, азаплы өлимге барыўға таярсыз? Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи - қуры бир сиясий ямаса диний ҳәрекет емес, ал дүньядағы ең жаман қылмыс болған еди. Бирақ Ийса кеширди. Ийса ҳәр бир адамды сүйип, барлық адамды қутқарыў ушын, ҳәр биримиз ушын атанақтағы жүдә азаплы өлимге барды.
ОЛ ӨЛИМНЕН ҚАЙТА ТИРИЛДИ!
Матта жазған Хош Хабар 28:1-20
Шаббат күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди. Бирден жер қатты силкинип, Жаратқан Ийениң периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди. Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жанлары қалмады. Периште ҳаялларға: – Қорқпаңлар!
Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгениңизди билемен. Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер. Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып, Ийсаның өлимнен қайта тирилгенин айтыңлар! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер! Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди. Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған сыйынды. Сонда Ийса оларға: – Қорқпаңлар! Туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди. Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди. Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип: – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди. Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған. Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды. Олар Ийсаны көргенде, Оған сыйынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды.
Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. Сонлықтан да барып,
барлық халықларды Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.
Сиз Ийсаның өлимнен қайта тирилгенине исене аласыз ба? Сиз кимлерге көбирек исенесиз: «Бул мүмкин емес» деп айтатуғынларға ма ямаса Оның қайта тирилгенине гүўа болған адамларға ма? Бул ўақыя туўралы тартыс еки мың жылдан берли даўам етип киятыр. Бирақ Ийсаның өлимнен қайта тирилгенине – дүньядағы миллиардлаған масийхыйлар, Мухаддес Китаптың өзгертилмегенлиги ҳәм ондағы пайғамбаршылық сөзлер айқын дәлил бола алады. Сиз бул фактлерге не дейсиз? Ийса - ең жоқарғы ҳәм пүткил ҳәкимиятқа ийе, Оның тәлимлери - пүткиллей ҳақыйқат, ал Оның буйрықлары толық орынланылыўы керек. Хош Хабарға исениң, Ийса ҳақыйқаттан да қайта тирилди!
ЖАҚСЫ ШОПАН
Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды. Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды. Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди. Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим. Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди.
Ийса бул тымсал арқалы Өзиниң бизлерге деген қатнасын көрсетти. Сиз өз өмириңизди мийримли ҳәм ғамқор Бағыўшы болған Ийсаға исенип тапсырыўға таярсыз ба? Таяр болсаңыз, жақсылап қулақ салың, Ол сизге сөйлеп атыр. Оған ериң, Ол сизди қорғайды ҳәм қоллап-қуўатлайды.
БАЛАЛАР СЫЯҚЛЫ БОЛЫҢЛАР...
Матта жазған Хош Хабар 18:1-10
Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады. Ийса бир кишкене баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди:
– Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңыз, Аспан Патшалығына кире алмайсыз. Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Бирақ ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! ...
Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Әкемниң жүзин ҳәмме ўақыт көрип турады.
Балалар еле кишкене болыўларына қарамастан, бизлер олардан көп нәрселерди үйренсек болады. Балалар тез исенгиш, тез кеширимли болып, еситкен нәрселерине шын жүректен исенеди ҳәм тез жарасады. Қудай бизлерден де усындай қарым-қатнасты күтеди. Аспандағы Әкемиздиң еркине кишкене балалар сыяқлы бойсыныўымыз ушын, бизлерге не керек?
ТӘЎБЕГЕ КЕЛГЕН ГҮНАКАР УШЫН УЛЛЫ ҚУЎАНЫШ
Лука жазған Хош Хабар 15:11-32
Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен. Олардың генжетайы әкесине: – Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бөлип берипти. Бир неше күн өткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти. Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты. Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти. Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти. Оның ақылы енип: – Әкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан өлейин деп атырман. Қой, әкеме барайын, оған: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти. Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты.
Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты. Улы оған: – Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти. Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер. Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил көтерейик.
Себеби мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты. Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Қайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти. Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты.
Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти. Бирақ ол әкесине былай депти:
– Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң. Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң. Әкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники. Бирақ бүгин қуўанып, кеўил көтериўимиз керек. Өйткени сениң бул иниң өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти..
Адасқан ул туўралы тымсал - Қудай менен бизлердиң арамыздағы қарым-қатнасты ашып береди. Киши ул сыяқлы бизлер де руўхый мийрасты ысырап етип, жоқшылыққа ҳәм машқалаларға дус келемиз. Ал биреўлер үлкен ул сыяқлы туўысқанын сүймей, Жаратқан Ийеге унағысы келеди. Бирақ Қудай - мийримли Әке. Ол «ақылы енип», яғный тәўбе етип Оған қайтқан улларына қуўанады. Жаратқан Ийе ҳәр қашан бизлерди қушағын ашып күтип алыўға ҳәм кешириўге таяр. Сиз өз жолыңыз бенен өмир сүриўди тоқтатып, тәўбе етиўге ҳәм Аспандағы Әкемизге қайтыўға таярсыз ба?
ИСЕНИМИҢ СЕНИ ҚУТҚАРДЫ…
Сол жерде он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген бир ҳаял бар еди. Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди. Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның артына жақынлап келип, Оның кийимине қолын тийгизди. Өйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди. Сонда Ийса Өзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады. Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын көрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди. Бирақ Ийса буны ким ислегенин көриў ушын, әтирапына қарай баслады. Сонда өзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди. Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
Сизиң өмириңизде сизди қуўаныштан айырып турған бир шешилмейтуғын машқалаңыз бар ма? Ямаса оны өз күшиңиз бенен шеше аламан деп ойлайсыз ба? Ийса оны шеше алады! Оған келиң. Наўқас ҳаял барлық шыпакерлерге барып көрди, бирақ ҳеш ким оған жәрдем бере алмады. Енди тек бир жол ғана қалған еди: Ийса! Бул ең дурыс жол болып шықты! Буннан қандай сабақ алсақ болады? Ол қалай шыпа алды? Ҳаял шыпа тапқаннан соң, Ийса неге оған: «Қутқарылдың» деп айтты? Ийсаның сизиң өмириңизди өзгерте алатуғынына шын жүректен исенип, қутқарылыў ушын Оған келиўге таярсыз ба?
ҚУДАЙДЫҢ СӨЗИ – ӨМИР НАНЫ
... Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди. Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды», – деп айтылған, – деди. Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секир. Себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, Олар Сени қолларында алып жүреди», – деди. Ийса оған: – «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!» – деп те жазылған, – деди. Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатын көрсетип: – Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди. Сонда Ийса оған: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди. Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Сизиң Мухаддес Китапқа деген қатнасыңыз қандай? Бул Қудай Сөзи екенине исенесиз бе? Ийса күнделикли нанымызға қарағанда, Қудай сөзин анағурлым әҳмийетли руўхый азық деп айтады. Сынақлардан шыдамлылық пенен өтиў ушын, Қудай Сөзин билип, оған әмел қылып жасаўымыз керек. «Неге дүньяда жаманлық көп? Неге Қудай араласпайды?» - деп ойлаған ўақытларыңыз болды ма? Сиз Жаратыўшыны сынап, Оннан қандай да бир кәраматлы белги сорап көрген ўақтыңыз болды ма? Егер болған болса, абайлы болың. Ийса: «Қудайды сынама! Оның ийгиликлилигине, мухаддеслигине ҳәм ҳақлығына ҳасла гүманланба!» - деп анық айтады. Қайсысын таңлайсыз: дүньяның бар байлығына ийе болып, бирақ жаныңыздан айырылыўды ма, ямаса өмириңизди Қудайға исенип тапсырып, Оннан кеширим алыўды ҳәм Оның менен бирге мәңгилик өмир сүриўди ме? Ийса Өзиниң Қудайды ыразы етиўди таңлағанын анық көрсетти. Ал сиз нени таңлайсыз?
ЖОҚАРЫДАН ТУЎЫЛЫЎЫҢЫЗ КЕРЕК
Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди.2 Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматлы белгилерди ислей алмайды, – деди. Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди. Никодим Ийсадан: – Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады. Ийса оған жуўап берип былай деди:
– Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудайдың Патшалығына кире алмайды. Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай. Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис. Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик өмирге ийе болады. Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады. Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди.
Ийса дин муғаллими Никодим менен сөйлескенде, оған адам ақылы жетпейтуғын бир ҳақыйқатлықты ашады. Адам қутқарылыўы ушын, қайтадан және бир рет туўылыўы керек екен. Бурын адамнан туўылса, енди Қудайдан туўылыўы керек! Егер Қудайдан туўылмаса, ол өз жанынан мәңги айырылады. Адам руўхый Қудайдан туўылыўы ушын, Қудай бул дүньяға Ийсаны жиберди. Тек Ийса арқалы бизлерге Қудай Патшалығына жол ашылады. Сиз жоқарыдан, яғный Қудайдан туўылдыңыз ба? Сиз Қудайдың Өз Улы Ийса Масийх арқалы сыйға берген дәўлетли өмирине ийесиз бе?
АСПАНҒА АЛЫНҒАН ҚАЙТЫП КЕЛЕДИ
Елшилердиң ислери 1:3-11
... Ийса азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба? Ийса оларға:
– Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди. Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды. Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып: – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
Бир күни Ийса Масийх жерге және келеди ҳәм Өзиниң изине ерген шәкиртлерин Аспандағы Үйине алып кетеди. Масийхыйлар – булар Ийсаның шәкиртлери. Олар Мухаддес Руўхтан қайта туўылған адамлар. Сиз Ийса Масийхтың жәмәәтиниң бир бөлегисиз бе? Ийсаның екинши рет келиўин сиз күтип атырсыз ба? Ол сизди Өзи менен бирге Аспанға алып кете ме? Бул ушын сиз тәўбе етип, Ийсаға исениўиңиз керек. Сонда сиз руўхый қайта туўылып, Мухаддес Руўхқа толасыз ҳәм Ийса екинши рет жерге келемен дегенше, Оның шәкирти боласыз.
ҚУТҚАРЫЎШЫНЫҢ ТУЎЫЛЫЎЫ
Сол күнлери Рим императоры Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды. Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды. Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди. Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмиледар Мәриям да барды. Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, туңғыш улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийениң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. Периште оларға:
– Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масийх. Оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди. Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады: «Аспанда Қудай алғыслансын, Жердеги Қудайға унайтуғын адамларға тынышлық болсын!» Периштелер аспанға көтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийениң бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – дести. Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупти ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты. Оны көрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди. Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сөзлерине таң қалысты. Ал Мәриям бул сөзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди. Шопанлар өзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-көргенлери ушын Қудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
Ийсаның туўылғанына, мине, еки мың жылдай ўақыт өтти. Бирақ дүньяның Қутқарыўшысының дүньяға келгенлиги туўралы қуўанышлы хабар бүгинги күнге дейин барлық жерде байрамланады. Тап сол ўақыттағыдай, бүгин де ҳәр бир адам Бейтлеҳем қаласында дүньяға келген сол Нәжет Жулдызына исеним менен қарай алады. Сондай-ақ, сол түни Хош Хабарды еситип, Нәрестеге барып Оған сыйынған сол шопанлар сыяқлы, бизлер де бүгин Оған барып, қутқарылыўға ерисе аламыз. Ийсаның туўылыўы туўралы ўақыя сизде қандай ойлар менен сезимлерди пайда етти? Бул ўақыялар сизге қалай тәсир етти? Ийса бүгин сизиң жүрегиңизде туўылыўы ушын, Оған жүрегиңиздиң төринен орын бересиз бе? Қудайдың бизлерге деген сондай мийрими ушын ҳәм Аспаннан келген таң қалдырарлық саўға ушын, яғный Қутқарыўшы Ийсаның туўылғаны ушын, сиз Қудайға рахмет айтасыз ба?