Мухаддес Китап

Жаратылыс

1. Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
2. Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3. а Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды.
4. Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты.
5. Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6. Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир- биринен айырып турсын!» – деп буйырды.
7. Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды.
8. Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9. Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
10. Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11. Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да.
12. Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
13. Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14. Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын.
15. Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да.
16. Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты.
17. Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды.
18. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
19. Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20. Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды.
21. Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
22. Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди.
23. Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24. Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
25. Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26. Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди.
27. Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты.
28. Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29. Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады.
30. Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31. Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.
1. Усылайынша аспан ҳәм жер, олардағы пүткил барлық жаратылып болынды.
2. Қудай Өз ислерин жетинши күнге дейин тамамлап, жетинши күни барлық ислеринен дем алды.
3. Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес етип айырды. Себеби Ол усы күни Өзиниң барлық жаратыўшылық ислеринен дем алды.
4. Мине, аспан ҳәм жердиң жаратылыў тарийхы усындай Қудай Ийе аспан менен жерди жаратқанда,
5. жер бетинде еле бирде бир дала путасы ямаса бирде бир дала шөби өспеген еди. Өйткени Қудай Ийе еле жерге жаўын жаўдырмаған болып, жерди тәрбиялайтуғын адам да жоқ еди.
6. Бирақ жерден булақ суўы шығып, пүткил жер жүзин суўғарып туратуғын еди.
7. Соңынан Қудай Ийе жердиң топырағынан адамды жаратып, оның мурнына өмир демин үпледи. Солай етип, адам тири жан болды.
8. Қудай Ийе шығыста, Эденде бир бағ орнатып, Өзи жаратқан адамын сол жерге жайластырды.
9. Кейин Қудай Ийе көздиң жаўын алатуғын, жеўге жақсы түрли-түрли мийўе ағашларын жерден өсирип шығарды. Ал бағдың ортасына өмир терегин ҳәм жақсылық пенен жаманлықты билиў терегин өсирип шығарды.
11. Олардың бириншисиниң аты – Пишон болып, ол алтын кәни болған пүткил Хаўила жерин айланып ағады.
12. Алтыны жақсы болған ол жерде хош ийисли шайыр ҳәм оникс тасы бар.
13. Екинши дәрьяның аты – Гихон болып, ол пүткил Куш жерин айланып ағады.
14. Үшинши дәрьяның аты Тигр болып, ол Ашшурдың шығыс тәрепинен ағып өтеди. Төртинши дәрьяның аты – Евфрат еди.
15. Солай етип, Қудай Ийе Эден бағын тәрбиялаўы ҳәм онда ислеўи ушын адамды сол жерге орналастырып,
16. оған: «Сен бул бағдағы қәлеген терегиңниң мийўесинен жей аласаң.
17. Бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме, жесең сөзсиз өлесең», – деп буйырды.
18. Соңынан Қудай Ийе: «Адамның жалғыз болғаны жақсы емес, оған ылайықлы жәрдемши жаратаман», – деди.
19. Қудай Ийе жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың ҳәммесин топырақтан жаратып, оларға қандай ат беретуғынын билиў ушын, оларды адамға алып келди. Адам ҳәр бирине қандай ат қойса, сол жанлы жаныўар солай аталатуғын болды.
20. Адам барлық малларға, аспандағы қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға ат қойды. Бирақ адамның өзине ылайықлы жәрдемши табылмады.
21. Сонда Қудай Ийе адамға терең уйқы берди ҳәм ол уйықлап атырғанда, оның бир қабырғасын алып, орнын ет пенен жаўып қойды.
22. Қудай Ийе адамның қабырғасынан ҳаялды жаратып, оны адамға алып келди.
23. Сонда адам былай деди: «Мениң сүйеклеримнен алынған сүйек, Етимнен алынған ет минекей-ғо! Ол ҳаял адам деп аталсын, Өйткени ол ер адамнан алынды».
24. Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады+.
25. Адам да, оның ҳаялы да жалаңаш еди, бирақ олар еле уяттың не екенин билмейтуғын еди.
1. Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан: – Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады.
2. Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди: – Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз.
3. Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди.
4. Жылан ҳаялға: – Яқ, ҳасла өлмейсиз!
5. Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди.
6. аял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге ысық екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди.
7. Сол ўақытта-ақ екеўиниң де көзлери ашылып, өзлериниң жалаңаш екенин билди. Олар әнжир ағашларының жапырақларын бир-бирине тигип, өзлери ушын жапқышлар иследи.
8. Олар күнниң ыссылығы қайтқан ўақытта, бағдың ишинде Қудай Ийениң жүргенин еситти ҳәм Оннан тасаланып, бағдағы тереклердиң арасына жасырынды.
9. Бирақ Қудай Ийе адамды даўыслап шақырып: – Қай жердесең? – деди.
10. Сонда адам: – Бағда жүргениңди еситкенимде қорқып кеттим. Өйткени жалаңаш едим, сонлықтан жасырындым, – деди.
11. Қудай Ийе адамнан: – Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.
12. Адам: – Сен маған берген ҳаял теректиң мийўесинен берди, мен де жедим, – деп жуўап берди.
13. Қудай Ийе ҳаялға: – Бул не қылғаның? – деди. Ҳаял: – Жылан мени алдады, сонлықтан мен жедим, – деди.
14. Сонда Қудай Ийе жыланға былай деди: – Сен бул исиң ушын барлық маллар ҳәм жабайы ҳайўанлар арасынан шетлетилип, нәлетий боласаң. Өмириң бойы жер баўырлап, топырақ жейсең.
15. Мен сениң менен ҳаялды, оның урпағы менен сениң урпағыңды бир-бирине душпан етип қояман. Оның урпағы сениң басыңды езеди, ал сен оның табанын шағасаң.
16. Соңынан Қудай Ийе ҳаялға: – Ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе қуштар боласаң, ол сени басқаратуғын болады, – деди.
17. Ал адамға былай деди: – Ҳаялыңның сөзин тыңлап, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жегениң ушын, жер сен себепли нәлетленеди. Өмириң бойы аўыр мийнет етип, жерден азығыңды таўып жейтуғын боласаң.
18. Сен дала шөплерин аўқат етесең, жер сен ушын шеңгел ҳәм ошаған өсиреди.
19. Жерге қайтқаныңша, наныңды маңлай териңди төгип табатуғын боласаң. Өйткени сен топырақсаң, топырақтан жаратылғаның себепли және топыраққа айланасаң.
20. Адам өзиниң ҳаялын Ҳаўа* деп атады, себеби ол пүткил адамзаттың түп анасы болды.
21. Қудай Ийе Адам ҳәм оның ҳаялы ушын териден кийим ислеп, оларды кийиндирди.
22. Соңынан Қудай Ийе былай деди: «Мине, адам жаманлық пенен жақсылықты билип, Бизлердиң биримиз сыяқлы болды. Енди ол өмир терегине қолын созып, оның мийўесин алып жемесин ҳәм мәңгилик өмир сүрмесин».
23. Солай етип, өз денеси жаратылған топырақты тәрбиялаў ушын, Қудай Ийе адамды Эден бағынан шығарып жиберди. 24Ол адамды қуўып шығарып жиберди ҳәм өмир терегине баратуғын жолды қорғаў ушын Эден бағының шығыс тәрепине керубларды ҳәм ҳәр тәрепке айланып туратуғын отлы қылышты қойды.
1. Адам ҳаялы Ҳаўа менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Каинды туўды. Сонда Ҳаўа: «Мен Жаратқан Ийениң жәрдеми менен адамды дүньяға келтирдим», – деди.
2. Соңынан ол тағы да Каинның иниси Абылды туўды. Абыл шопан, ал Каин дийхан болды.
3. Арадан бир неше ўақыт өткеннен соң, Каин жердиң өниминен Жаратқан Ийеге қурбанлық берди.
4. Абыл да өзиниң сүриўиндеги туңғыш төллердиң бир нешесин әкелип, олардың майлы бөлеклерин қурбанлыққа берди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти.
5. Бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Сонда Каин қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды.
6. Жаратқан Ийе Каинға: – Сен не ушын ашыўланасаң? Неге қабағың қарыс жаўылады?
7. Егер нийетиң жақсы болса, басыңды көтерип жүрмес пе едиң? Бирақ, егер нийетиң жаман болса, есик алдында гүна жатыр. Ол сени өзине тартады, бирақ сен оннан үстем бол, – деди.
8. Каин иниси Абылға: – Жүр, атызға барайық! – деди. Олар атызда болған ўақытта Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди.
9. Жаратқан Ийе Каиннан: – Иниң Абыл қай жерде? – деп сорады. Ол: – Билмеймен, мен не инимниң қараўылыман ба? – деп жуўап берди.
10. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Сен не ислеп қойдың? Иниңниң қаны Маған жерден нала етип атыр.
11. Сениң өз қолың менен өлтирген иниңниң қанын ишиў ушын аўзын ашқан жерден енди сен қуўып жиберилип, нәлетий боласаң.
12. болады ҳәм сен жер бетинде турақлай алмай, гезендеге айланасаң.
13. Каин Жаратқан Ийеге: – Мениң жазам көтере алмайтуғын дәрежеде аўыр.
14. Бүгин Сен мени бул жерлерден қуўып атырсаң, енди мен Сениң көзиңнен таса болып, бир жерде турақлай алмай, гезендеге айланаман. Мени дус келген адам өлтирип кетиўи мүмкин-ғо, – деди.
15. Сонда Жаратқан Ийе оған: – Яқ! Егер ким де ким сени өлтирсе, оннан жети есе өш алынады, – деди. Солай етип, Каинға дусласқан ҳеш бир адам оны өлтирмеўи ушын, Жаратқан Ийе оған бир белги салды.
16. Каин Жаратқан Ийениң жанынан кетип, Эденниң шығысындағы Нод* деген жерге орналасты.
17. Каин ҳаялы менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Ханохты туўды. Сол ўақытта Каин бир қала салып атыр еди. Ол қалаға улы Ханохтың атын қойды.
18. Ханохтан Ирад туўылды. Ирадтан Мехуяел, Мехуяелден Метушаел, Метушаелден Ламех туўылды.
19. Ламех еки ҳаял алды: бириншисиниң аты – Ада, екиншисиниң аты – Силла еди.
20. Ада Ябалды туўды. Ол шатырларда жасаўшы шарўалардың түп бабасы болды.
21. Инисиниң аты Юбал еди. Ол барлық лира* ҳәм сыбызғы шертетуғынлардың түп бабасы болды.
22. Ал Силла Тубал-Қайынды туўды. Ол барлық қола ҳәм темир қуралларын ислеўши болды. Тубал-Қайынның қарындасы Наама еди.
23. Ламех ҳаялларына былай деди: «Ҳәй, Ада ҳәм Силла, мени тыңлаңлар! Ламехтиң ҳаяллары, Сөзиме қулақ салыңлар! Мени жарақатлағаны ушын бир ер адамды, Урғаны ушын бир жас жигитти өлтиремен.
24. Егер Каин ушын өш алынса жети есе, Ламех ушын өш алынар жетпис есе».
25. Адам ҳаялы менен тағы жақынласқаннан соң, ҳаялы бир ул туўды. Ол: «Қудай Каин өлтирген Абылдың орнына маған басқа перзент берди», – деп, балаға Шет* деп ат қойды.
26. Шеттен де бир ул туўылып, оның атын Энош деп қойды. Адамлар сол ўақыттан баслап Жаратқан Ийениң атын айтып шақыра баслады.
1. Адамның шежиреси мынадай: Қудай адамды жаратқанда, оны Өзине уқсатып жаратты.
2. Оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты ҳәм сол күни оларды жарылқап, оларға «адам» деп ат қойды.
3. дам бир жүз отыз жасқа шыққанда, өзине уқсас, өзиниң бийнесиндей бир балалы болып, оған Шет деп ат қойды.
4. Шет туўылғаннан соң, Адам және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
5. Адам барлығы болып тоғыз жүз отыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
6. Шет бир жүз бес жасқа шыққанда, улы Энош туўылды.
7. Энош туўылғаннан соң, Шет және сегиз жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
8. Шет барлығы болып тоғыз жүз он еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
9. Энош тоқсан жасқа шыққанда, улы Кенан туўылды.
10. Кенан туўылғаннан соң, Энош және сегиз жүз он бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
11. Энош барлығы болып тоғыз жүз бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
12. Кенан жетпис жасқа шыққанда, улы Маҳалалел туўылды.
13. Маҳалалел туўылғаннан соң, Кенан және сегиз жүз қырық жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14. Кенан барлығы болып тоғыз жүз он жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
15. Маҳалалел алпыс бес жасқа шыққанда, улы Еред туўылды.
16. Еред туўылғаннан соң, Маҳалалел және сегиз жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
17. Маҳалалел барлығы болып сегиз жүз тоқсан бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
18. Еред бир жүз алпыс еки жасқа шыққанда, улы Ханох туўылды.
19. Ханох туўылғаннан соң, Еред және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20. Еред барлығы болып тоғыз жүз алпыс еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
21. Ханох алпыс бес жасқа шыққанда, улы Метушелах туўылды.
22. Метушелах туўылғаннан соң, Ханох үш жүз жыл даўамында Қудай менен тығыз байланыста жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
23. Ханох барлығы болып үш жүз алпыс бес жыл жасады.
24. Ол Қудай менен тығыз байланыста жасады. Соңынан ол жер бетинен ғайып болды. Өйткени Қудай оны Өзиниң жанына алған еди.
25. Метушелах бир жүз сексен жети жасқа шыққанда, улы Ламех туўылды.
26. Ламех туўылғаннан соң, Метушелах және жети жүз сексен еки жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
27. Метушелах барлығы болып тоғыз жүз алпыс тоғыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
28. Ламех бир жүз сексен еки жасқа шыққанда, бир балалы болды.
29. Ол: «Жаратқан Ийениң нәлетлеген жери себепли шеккен азабымызды ҳәм мийнетимизди бул бала жеңиллетип, рәҳәт береди», – деп балаға Нух деп ат қойды.
30. Нух туўылғаннан соң, Ламех және бес жүз тоқсан бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
31. Ламех барлығы болып жети жүз жетпис жети жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
32. Нух бес жүз жыл жасағаннан соң, уллары Сам, Хам ҳәм Яфет туўылды.
1. Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды.
2. Иләҳий барлықлар* адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды.
3. Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди.
4. Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.
5. Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди.
6. Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды.
7. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен».
8. Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.
9. Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди.
10. Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды.
11. Қудайдың көз алдында жер жүзи бузылып, жаўызлыққа толған еди.
12. Қудай жер жүзине қарап, оның соншелли бузылғанын көрди. Өйткени адамлар жолдан шыққан еди.
13. Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен.
14. Сен өзиңе гофер ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла.
15. Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы 300 шығанақ, ени 50 шығанақ, бийиклиги 30 шығанақ болсын.
16. Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын.
17. Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады.
18. Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир.
19. Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир.
20. Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди.
21. Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой».
22. Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады.
1. Жаратқан Ийе Нухқа былай деди: «Пүткил хожалығың менен кемеге кир. Өйткени Мен заманласларың ишинде тек сениң ғана Мениң алдымда ҳақ екениңди көрдим.
2. Өзиң менен бирге ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан, ҳарам деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан еки жуптан ал.
3. Және де, туқымы жер бетинде сақланып қалыўы ушын, қуслардың ҳәр қыйлы түрлеринен еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан ал.
4. Өйткени Мен жети күннен кейин жерге қырық күн, қырық түн жаўын жаўдыраман. Өзим жаратқан ҳәр бир тири жанды жер бетинен қырып таслайман».
5. Нух Жаратқан Ийениң буйырғанларының барлығын орынлады.
6. Жерди топан суўы басқанда, Нух алты жүз жаста еди.
7. Нух, оның уллары, ҳаялы ҳәм келинлери топан суўынан қутылыў ушын кемеге кирди.
8. Қудайдың Нухқа буйырғанындай, ҳадал ҳәм ҳарам деп есапланған ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшылардың еркеги ҳәм урғашысы жуп-жуп болып Нухқа келип, кемеге кирди
9. .
10. Жети күннен соң, жер бетин топан суўы қаплай баслады.
11. Нух алты жүз жасқа толған жылдың екинши айының он жетинши күнинде терең туңғыйықтың барлық булақларынан суў атлығып, аспан қақпақлары ашылып кетти.
12. Жер жүзине қырық күн, қырық түн жаўын жаўды.
13. Тап сол күни Нух, оның уллары Сам, Хам, Яфет, Нухтың ҳаялы ҳәм үш келини кемеге кирди.
14. Барлық жабайы ҳайўанлардың, маллардың, жер баўырлаўшылардың, барлық қуслардың ҳәм қанатлылардың да ҳәр қыйлы түрлери олар менен бирге кирди.
15. Ҳәр түрли жанлы жаныўарлар жуп- жуптан Нухқа келип, кемеге кирди.
16. Кемеге кирген ҳайўанлар Қудай Нухқа буйырғанындай еркек ҳәм урғашы еди. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Нухтың изинен кемениң қапысын жапты.
17. Топан суўы қырық күн даўам етти ҳәм суўлар тасып, кемени жерден жоқарыға көтерди.
18. Суў жер бетинде соншелли көбейип жоқары көтерилгенликтен, кеме суў бетинде жүзе баслады.
19. Суўлардың көтерилгени соншелли, жер бетиндеги барлық бәлент таўлар суў астында қалды.
20. Көтерилген суўлар таўлардың үстин он бес шығанақ жоқары қаплады.
21. Жер жүзиндеги барлық тиришилик: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм барлық адамлар қырылып қалды.
22. Қурғақлықтағы тири жанның ҳәммеси өлип қалды.
23. Жер жүзиндегилердиң ҳәммеси: адамлардан баслап малларға дейин, жер баўырлаўшылардан баслап қусларға дейин набыт болды. Тек Нух ҳәм оның менен бирге кемеде болғанлар ғана аман қалды.
24. Топан суўы жер жүзин бир жүз елиў күн қаплап турды.
1. Бирақ Қудай Нухты ҳәм оның менен бирге кемеде болған жабайы ҳайўанлар менен малларды есине түсирип, жер бетине самал естирди. Сонда суўлар азая баслады.
2. Туңғыйықтың булақлары ҳәм аспанның қақпақлары жабылып, жаўын тынды.
3. Суўлар әсте-әсте жер бетинен қайта баслады ҳәм бир жүз елиў күннен кейин азайып қалды.
4. Кеме жетинши айдың он жетинши күни Арарат таўлары үстинде тоқтады.
5. Суўлар оныншы айға шекем азайып, оныншы айдың биринши күнинде таўлардың төбелери көрине баслады.
6. Қырық күннен соң, Нух өзи соққан кемениң әйнегин ашты.
7. Ол бир ғарғаны ушырып жиберди. Жер бетиндеги суўлар қурығанға дейин ғарға ушып келип-кетип турды.
8. Соңынан Нух жер бетиндеги суўдың қайтқан- қайтпағанын билиў ушын бир кептерди ушырып жиберди.
9. Бирақ кептер қонатуғын жер таба алмай, және Нухқа, кемеге қайтып келди. Себеби еле жер бетин суў қаплап тур еди. Нух қолын созып, кептерди өз жанына, кемеге киргизип алды.
10. Жети күн күтип, Нух кептерди кемеден және шығарып жиберди.
11. Кептер кеште қайтып келгенде, оның тумсығында зәйтүн ағашының жаңа жулынған бир жапырағы бар еди. Сонда Нух жер бетиндеги суўдың қайтқанын түсинди.
12. Нух және жети күн күткеннен соң, кептерди қайтадан шығарып жиберди. Бул рет кептер қайтып келмеди.
13. Нух алты жүз бир жасқа толған жылдың биринши айының биринши күни жер бетиндеги суўлар қурғады. Нух кемениң төбесин ашып, жердиң қурғағанын көрди.
14. Екинши айдың жигирма жетинши күни жер толық қурғады.
15. Сонда Қудай Нухқа былай деди:
16. «Ҳаялың, улларың ҳәм келинлериң менен бирге кемеден шық.
17. Өзиң менен бирге барлық жаныўарларды: қусларды, ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды да шығар. Олар жер жүзине таралып, жер бетинде өсип-өнип, көбейсин».
18. Нух ҳаялы, уллары ҳәм келинлери менен бирге кемеден шықты.
19. Барлық ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар, қуслар – жер бетинде тиришилик етиўшилердиң ҳәммеси түр-түри бойынша кемеден шықты.
20. Нух Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды. Сол жерде ол ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың ҳәм қуслардың ҳәммесинен алып, оларды қурбанлыққа шалып, жағып жиберди.
21. Жаратқан Ийе жағымлы ийисти унатып, Өз кеўлинде былай деди: «Мен енди жерди адамлар себепли нәлетлемеймен. Өйткени адамның кеўлиндеги нийетлер балалығынан-ақ жаман болады. Мен усы ислегенимдей, енди ҳеш қашан пүткил тиришиликти жоқ қылып жибермеймен.
22. Ендигиден былай, дүнья турғанша, егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, күндиз ҳәм түн бола береди».
1. Қудай Нухты ҳәм оның улларын жарылқап былай деди: «Өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер жүзин толтырыңлар.
2. Жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың, жер жүзиндеги тири жанлардың ҳәм теңиздеги балықлардың ҳәммеси сизлерден қорқып, үркетуғын болсын. Олар сизлердиң бийлигиңизге берилген.
3. Барлық тири жаныўарлар сизлерге аўқат болады. Өсимликлерди бергеним сыяқлы, Мен сизлерге ҳәммесин берип атырман.
4. Бирақ олардың қанын шығармай турып, гөшин жемең. Себеби жан қаннан ибарат.
5. Егер сизлердиң де қаныңыз төгилсе, ҳақыңызды сөзсиз талап етемен. Адам жанын қыйған ҳәр қандай адам ҳәм ҳайўаннан Мен есап талап етемен.
6. Ким адамның қанын төксе, оның өзиниң қаны да басқа адам тәрепинен төгиледи. Себеби Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты.
7. Ал сизлер өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер бетине тарқалып, артып барыңлар».
8. Қудай Нухқа ҳәм оның улларына былай деди:
9. «Мен сизлер менен, сизлердиң келешек урпағыңыз бенен келисим дүземен.
10. Және де, сизлер менен бирге болған барлық жанлы жаныўарлар: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар ҳәм сизлер менен кемеден шыққан жер бетиндеги барлық ҳайўанлар менен келисим дүземен.
11. Сизлер менен дүзетуғын келисимим мынадан ибарат: ендигиден былай, пүткил тиришилик топан суўы менен жоқ етилмейди ҳәм жер жүзин жоқ ететуғын топан суўы енди қайтып болмайды».
12. Қудай сөзин даўам етип былай деди: «Мениң сизлер ҳәм ҳәр бир жанлы жаныўар менен барлық келешек урпақлар ушын мәңгиге дүзип атырған келисимимниң белгиси мынаў:
13. Мен Өз айқулағымды бултларға жайластыраман ҳәм ол Мениң менен жерде жасаўшылардың арасындағы дүзген келисимимниң белгиси болады.
14. Мен жер үстине булт жибергенимде, бултларда айқулақ пайда болады.
15. Сонда Мен сизлер менен ҳәм ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимди еске аламан. Пүткил тиришиликти жоқ етиўши топан суўы енди қайтып болмайды.
16. Қашан бултларда айқулақ пайда болса, Мен оны көрип, жерде жасаўшылардың ҳәммеси менен Өзим дүзген мәңгилик келисимимди еске аламан».
17. Соңынан Қудай Нухқа: «Мениң жерде жасаўшы ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимниң белгиси – усы», – деди.
18. Нухтың кемеден шыққан уллары – Сам, Хам ҳәм Яфет еди. Хам Қананның әкеси еди.
19. Булар Нухтың үш улы еди. Жер жүзиндеги барлық халықлар олардан тарқады.
20. Нух жерди тәрбиялап, жүзим егиўге киристи.
21. Ол шарап ишип, мәс болып қалды ҳәм өзиниң шатырында жалаңаш жатты+.
22. Қананның әкеси болған Хам әкесиниң жалаңаш жатырғанын көрди ҳәм сыртқа шығып, бул ҳаққында еки туўысқанына айтып берди.
23. Сонда Сам менен Яфет бир шапанды ийинлерине таслады да, терис қарап жүриўи менен ишке кирип, әкесиниң жалаңаш денесин шапан менен жапты. Олар әкесиниң жалаңаш екенин көрмеў ушын жүзлерин басқа тәрепке бурды.
24. Мәслиги тарқағаннан соң, Нух кишкене улының не ислегенин билип,
25. былай деди: «Қананға нәлет жаўсын! Ол туўысқанларының қулларының қулы болсын!»
26. Ол және былай деди: «Самның Қудай Ийесине алғыслар болсын! Ал Қанан Самның қулы болсын!
27. Қудай Яфеттиң жерлерин кеңейтсин! Ол Самның шатырларында жасасын! Ал Қанан Яфеттиң қулы болсын!»
28. Нух топан суўынан соң және үш жүз елиў жыл өмир сүрди.
29. Ол барлығы болып тоғыз жүз елиў жыл жасағаннан соң, қайтыс болды.
1. Нухтың уллары Сам, Хам ҳәм Яфеттиң шежиреси мынадай: топан суўынан кейин олардан балалар туўылды.
2. Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
3. Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
4. Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Доданим.
5. Булардан теңиз жағаларында жасаўшы халықлар өрбиди. Олар өз үлкелеринде ҳәр қыйлы тиллерде сөйлеп, халықлары ҳәр қыйлы қәўимлерге бөлинди.
6. Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Қанан.
7. Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха. Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
8. Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
9. Нимрод Жаратқан Ийениң алдында күшли аңшы болғанлықтан: «Жаратқан Ийениң алдында Нимрод сыяқлы күшли аңшы», – деген сөз келип шыққан.
10. Ол дәслеп Шынар* жериндеги Бабыл*, Эрех, Аккад ҳәм Калне қалаларында патшалық етти.
11. Соңынан ол сол жерден Ашшурға кетип, Ниневия, Рехобот-Ир, Калах қалаларын,
12. сондай-ақ Ниневия менен Калах арасындағы Ресен қаласын қурды. Ол уллы қала болды.
13. Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух,
14. патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
15. Қананнан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды.
16. Сондай-ақ ебус, амор, гиргаш,
17. хиў, арқ, син,
18. арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Қананнан келип шықты. Кейин ала қанан қәўимлери әтирапқа тарап жайылып кетти.
19. Қанан халқының жерлери Сидоннан Герар тәрепке қарай Газаға шекем, оннан Содом, Гомора, Адма, Себойым тәрепке қарай Лешаға шекем созылып жатты.
20. Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Хамның урпақлары еди.
21. Яфеттиң әжағасы Самның да балалары болды. Ол барлық Эбер урпақларының түп бабасы болды.
22. Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд ҳәм Арам.
23. Арамның уллары: Ус, Хул, Гетер, Маш.
24. Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
25. Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег* еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.
26. Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах,
27. Ҳадорам, Узал, Дикла,
28. Обал, Абимаел, Шеба,
29. Офир, Хаўила ҳәм Иобаб туўылды. Булардың бәри Иоқтанның уллары еди.
30. Олар шығыста, Мешадан Сефарға шекем созылған таўлы үлкеде жасайтуғын еди.
31. Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Самның урпақлары еди.
32. Топан суўынан соң, пүткил жер жүзине халық-халық, урыў-урыў болып тараған бул адамлар Нухтың урпақлары еди.
1. Сол ўақытлары дүньядағы барлық адамлар бир тилде сөйлеп, бирдей сөзлерди қолланатуғын еди.
2. Адамлар шығыста көшип жүргенде, Шынар жеринде бир тегислик тапты ҳәм сол жерге орналасты.
3. Адамлар бир-бирине: «Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик», – деди. Олар тастың орнына гербиш, ылайдың орнына қара май қолланды.
4. Соңынан олар: «Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз», – дести.
5. Жаратқан Ийе адамлар қурып атырған қаланы ҳәм минараны көриў ушын төменге түсти
6. ҳәм былай деди: «Мине, олар бир халық болып, бир тилде сөйлегенликтен, усы исти баслады. Буннан былай олар ойлаған ойларын жүзеге асырмай қоймайтуғын болады.
7. Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық».
8. Солай етип, Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберип, қала қурылысын тоқтатып таслады.
9. Сонлықтан бул қала Бабыл деп аталды. Себеби Жаратқан Ийе сол жерде барлық адамлардың тиллерин араластырып таслап, оларды пүткил жер жүзине таратып жиберген еди.
10. Самның шежиреси мынадай: топан суўынан еки жыл өткеннен соң, Сам жүз жаста болғанда, улы Арпахшад туўылды.
11. Арпахшад туўылғаннан соң, Сам және бес жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
12. Арпахшад отыз бес жасқа шыққанда, улы Шелах туўылды.
13. Шелах туўылғаннан соң, Арпахшад және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14. Шелах отыз жасқа шыққанда, улы Эбер туўылды.
15. Эбер туўылғаннан соң, Шелах және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
16. Эбер отыз төрт жасқа шыққанда, улы Пелег туўылды.
17. Пелег туўылғаннан соң, Эбер және төрт жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
18. Пелег отыз жасқа шыққанда, улы Реу туўылды.
19. Реу туўылғаннан соң, Пелег және еки жүз тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20. Реу отыз еки жасқа шыққанда, улы Серуг туўылды.
21. Серуг туўылғаннан соң, Реу және еки жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
22. Серуг отыз жасқа шыққанда, улы Нахор туўылды.
23. Нахор туўылғаннан соң, Серуг және еки жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
24. Нахор жигирма тоғыз жасқа шыққанда, улы Терах туўылды.
25. Терах туўылғаннан соң, Нахор және бир жүз он тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
26. Терах жетпис жасқа шыққаннан соң, оннан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран деген уллар туўылды.
27. Терахтың урпақларының тарийхы мынадай: Терахтан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран туўылды. Ал Ҳараннан Лут туўылды.
28. Әкеси Терахтың көзиниң тирисинде, Ҳаран өзиниң туўылған жери болған калдейлердиң Ур қаласында қайтыс болды.
29. Ибрам да, Нахор да үйленди. Ибрамның ҳаялының аты Сарай, ал Нахордың ҳаялының аты Милка еди. Милка Исканың әкеси Ҳаранның қызы еди.
30. Сарай нәсилсиз болып, баласы жоқ еди.
31. Терах улы Ибрамды, Ҳаранның улы болған ақлығы Лутты ҳәм Ибрамның ҳаялы болған келини Сарайды алып, Қанан жерине барыў ушын калдейлердиң Ур қаласынан жолға шықты. Бирақ олар Харан жерине жеткенде, сол жерге орналасып қалды.
32. Терах еки жүз бес жыл өмир сүрип, Харанда қайтыс болды.
1. Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар.
2. Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң.
3. Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деди.
4. Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди.
5. Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал- мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Қанан жерине қарай жолға шықты. Олар Қанан жерине жетип барғанда,
6. Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Море теребинф терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде қанан халқы жасайтуғын еди.
7. Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» – деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
8. Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды.
9. Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды.
10. Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти.
11. Олар Мысырға жақынлағанда, Ибрам ҳаялы Сарайға былай деди: – Мен сениң сулыў ҳаял екениңди билемен.
12. Мысырлылар сени көргенде: «Бул оның ҳаялы», – деп, мени өлтирип, ал сени тири қалдырады.
13. Оларға: «Оның қарындасыман», – деп айт. Сонда сен себепли олар маған жақсы қатнаста болады ҳәм мен аман қаламан.
14. Ибрам Мысырға келгенде, мысырлылар оның ҳаялының жүдә гөззал екенин көрди.
15. Фараонның хызметкерлери ҳаялды көрип, фараонға оның сулыўлығын мақтап айтып берди. Ҳаял фараонның сарайына алынды.
16. Фараон Сарай себепли Ибрамға жақсы қатнаста болды. Ибрам ири ҳәм майда малларға, еркек ҳәм урғашы ешеклерге, қул ҳәм шорыларға, түйелерге ийе болды.
17. Бирақ Жаратқан Ийе Ибрамның ҳаялы Сарай себепли фараонды ҳәм оның үй-ишин аўыр апатларға дуўшар етти.
18. Сонда фараон Ибрамды шақыртып оған былай деди: «Сен неге маған булай иследиң? Не себептен маған, оның ҳаялың екенин айтпадың?
19. Не ушын оны қарындасым дедиң? Мен оны ҳаяллыққа алайын деп қалдым-ғо. Ҳаялыңды ал да, кет!»
20. Солай етип, фараон өз адамларына Ибрамды ҳаялы ҳәм барлық жыйған- тергенлери менен шығарып салыўды буйырды.
1. Ибрам ҳаялын ҳәм өзиниң барлық мал-мүлкин алды да, Мысырдан шығып, Негебке кетти. Лут та олар менен бирге кетти.
2. Ибрам малларға, гүмис ҳәм алтынларға оғада бай еди.
3. Ол Негебтен Бейт-Элге шекем көшип- қонып жүрди ҳәм Бейт-Эл менен Ай қаласының ортасындағы бурын өзи шатыр қурған орынға келди.
4. Сол жерде бурын өзи қурған қурбанлық орынға барып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды.
5. Ибрам менен бирге көшкен Луттың да ири ҳәм майда маллары, шатырлары бар еди.
6. Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан жер жетиспей, бирге жасаў мүмкин болмай қалды.
7. Сонлықтан Ибрам менен Луттың шопанлары арасында жәнжел пайда болды. Сол ўақытлары қанан ҳәм периз халықлары да усы елде жасайтуғын еди.
8. Сонда Ибрам Лутқа: «Бизлердиң арамызда да, шопанларымыздың арасында да жәнжел болмасын. Ақыры, бизлер туўысқанбыз-ғо!
9. Барлық жер сениң көз алдыңда. Кел, бөлинейик. Егер сен солға кетсең, мен оңға кетемен. Егер сен оңға кетсең, мен солға кетемен», – деди.
10. Лут әтирапына қарап, пүткил Иордан тегислигиниң Соарға шекемги мол суўлы жерлерин көрди. Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомораны жоқ етпестен алдын, бул жерлер Жаратқан Ийениң бағындай, Мысыр жериндей еди.
11. Лут пүткил Иордан тегислигин таңлап, шығысқа қарай кетти. Солай етип, олар бир-биринен бөлинди.
13. Содом халқы жаўыз болып, Жаратқан Ийеге қарсы көп гүналар ислейтуғын еди.
14. Лут Ибрамнан бөлингеннен соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Өзиң турған жерден арқаға ҳәм қублаға, шығысқа ҳәм батысқа қара!
15. Өзиң көрип турған жердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге беремен.
16. Урпақларыңды жердиң қумы сыяқлы көбейтемен. Ким де ким жердеги қумларды санай алса, сениң урпақларыңды да санай алады.
17. Қәнекей, бар да, Мениң саған беретуғын жерлеримди бастан аяғына шекем айланып шық».
18. Ибрам Хебронға жақын жердеги Мамре деп аталатуғын теребинф тереклиги жанына шатырларын көширип апарып орналасты. Сол жерде ол Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды.
1. Сол ўақытлары Шынар патшасы Амрафел, Элласар патшасы Арйох, Элам патшасы Кедорлаомер ҳәм Гойым патшасы Тидал биригип,
2. Содом патшасы Бераға, Гомора патшасы Биршаға, Адма патшасы Шинабқа, Себойым патшасы Шемеберге ҳәм Бела патшасына, яғный Соар патшасына қарсы урыс ашты.
3. Ал соңғы аталған бес патша биригип, Сиддим ойпатлығында, яғный ҳәзирги Өли теңиз жайласқан орында аўқам дүзди.
4. Бул патшалар он еки жыл Кедорлаомердиң қол астында болып, он үшинши жылы оған қарсы бас көтерди.
5. Он төртинши жылы Кедорлаомер ҳәм оның менен аўқамлас болған патшалар келип, Аштерот-Қарнайымдағы рефа, Ҳамдағы зуз, Шаўе- Кирятайымдағы эм халықларын,
6. және де, таўлы Сеир жериндеги хор халқын шөл шетиндеги Эл-Паранға дейин қыйратып, жеңилиске ушыратты.
7. Олар сол жерден изге қайтып, Эн-Мишпатқа, ҳәзирги Қадешке келди ҳәм амалеклердиң барлық жерлерин басып алып, Хасесон-Тамарда жасаўшы аморларды қыйратты.
8. Бес патша – Содом, Гомора, Адма, Себойым ҳәм Бела, яғный Соар патшалары Сиддим ойпатлығына шығып,
9. төрт патшаға, яғный Элам патшасы Кедорлаомерге, Гойым патшасы Тидалға, Шынар патшасы Амрафелге ҳәм Элласар патшасы Арйохқа қарсы атланды.
10. Сиддим ойпатлығында қара май кәнлери көп еди. Содом ҳәм Гомора патшалары қашып баратырғанда олардың адамларының гейбиреўлери сол кәнлерге түсип кетти, ал қалғанлары таўға қашты.
11. Жеңген төрт патша Содом ҳәм Гомораның пүткил байлығын ҳәм азық-аўқатларын алып кетти.
12. Олар және сол ўақытта Содомда жасап атырған Ибрамның иниси Лутты ҳәм оның мал-мүлкин де алып кетти.
13. Ол жерден қашып қутылған бир адам келип, еврей Ибрамға болған ўақыяны хабарлады. Сол ўақытта Ибрам Эшкол менен Анердиң туўысқаны болған, амор халқынан болған Мамрениң теребинф тереклиги қасында жасап атыр еди. Булардың ҳәммеси Ибрамның аўқамласлары еди.
14. Ибрам инисиниң тутқынға түскенин еситип, үйинде туўылып өскен, урысқа жарамлы үш жүз он сегиз адамды қуралландырды да, төрт патшаның изинен Дан қаласына шекем қуўып барды.
15. Ибрам адамларын топарларға бөлип, түнде душпанға қарсы ҳүжим жасады ҳәм оларды қыйратып, Дамасктиң арқа тәрепиндеги Хобаға шекем қуўып барды.
16. Ол олжаға алынған пүткил мал-мүликти, иниси Лутты, оның мал-мүлкин, ҳаялларды ҳәм тутқын болғанларды қайтарып алып келди.
17. Ибрам Кедорлаомер ҳәм оның аўқамласлары үстинен жеңиске ерисип қайтып киятырғанда, Содом патшасы оны күтип алыў ушын Шаўе ойпатлығына*, яғный Патша ойпатлығына шықты.
18. Қудай Тааланың руўханийи болған Салим* патшасы Мелкиседек нан ҳәм шарап алып шықты.
19. Ол Ибрамға пәтиясын берип, былай деди: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Таала Ибрамды жарылқасын.
20. Душпанларыңды тәслим еттирген Қудай Таалаға алғыслар болсын». Сонда Ибрам Мелкиседекке өзиндеги барлық нәрселерден үсир берди.
21. Ал Содом патшасы Ибрамға: – Адамларымды маған қайтарып бер, ал олжаларды өзиңде қалдыра бер, – деди.
22. Бирақ Ибрам Содом патшасына былай деди: – Сен: «Мен Ибрамды байыттым», – деп айтып жүрмеўиң ушын, мен Жаратқан Ийениң, яғный аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Тааланың алдында саған тийисли ҳеш нәрсени, ҳәтте, бир сабақ та, аяқ кийимниң баўын да алмайтуғынымды айтып, ант ишемен.
23. .
24. Бирақ тек адамларымның ишип-жегени ҳәм мениң менен бирге урысқа барған Анер, Эшкол ҳәм Мамрениң өз үлеслери буған кирмейди. Олар өз үлеслерин алсын.
1. Бул ўақыялардан соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деп аян берди: – Қорқпа, Ибрам. Мен – сениң қалқаныңман. Саған берилетуғын сыйлық оғада уллы болады.
2. Бирақ Ибрам былай деди: – Қудай Ийе! Сен маған не бересең? Мен еле бийперзентпен-ғо! Мениң үйим дамаскли Элиезерге қалады.
3. Сен маған перзент бермегениң себепли, үйимдеги бир хызметшим мийрасхорым болады.
4. Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға: – Сениң мийрасхорың ол емес, ал өзиңнен туўылатуғын балаң болады, – деди.
5. Соңынан Ибрамды сыртқа шығарып былай деди: – Аспанға қара! Егер жулдызларды санай алсаң, оларды санап көр. Мине, сениң урпақларың да сондай көп болады.
6. Ибрам Жаратқан Ийеге исенди ҳәм Жаратқан Ийе сол исенимди әдиллик деп санады.
7. Соңынан Ол Ибрамға: – Бул жерди саған меншик етип бериў ушын, сени калдейлердиң Ур қаласынан шығарған Жаратқан Ийең Мен боламан, – деди.
8. Бирақ Ибрам Оннан: – Қудай Ийе, бул жерлерди меншик етип алатуғынымды қалай билемен? – деп сорады.
9. Сонда Жаратқан Ийе оған: – Маған ҳәр бириниң жасы үш жасар болған қашар, ешки, қошқар, және де, бир қумыры ҳәм кептердиң палапанын алып кел.
10. Ибрам ҳәммесин алып келди ҳәм оларды дәл ортасынан бөлип, бөлеклерди бир-бирине қарама-қарсы қойды. Ал қусларды бөлмеди.
11. Сойылған маллардың денесине жыртқыш қуслар ушып келип, қона баслады, бирақ Ибрам оларды қуўып жиберди.
12. Күн батар ўақытта, Ибрам терең уйқыға кетти. Сонда қорқынышлы бир қара түнек оны қоршап алды.
13. Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Мынаны жақсы билип қой: сениң урпақларың жат елде келгинди болып жасайды. Олар төрт жүз жыл қулшылықта болып, езиўшилик көреди.
14. Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Соннан соң, олар сол жерден көп мал-мүлик пенен шығып кетеди.
15. Ал сен ғаррылық дәўранын сүрип, өлип жерленесең ҳәм тынышлық пенен ата-бабаларыңның жанына барасаң.
16. Сениң урпақларыңның тек төртинши әўлады ғана бул жаққа қайтып келеди, себеби аморлардың гүнасы еле толыў мөлшерине жеткен жоқ».
17. Күн батып, қараңғылық шөккенде, иши түтеп турған ыдыс ҳәм лаўлаған жалын пайда болып, бөлинген маллардың арасынан жүрип өтти.
18. Усы күни Жаратқан Ийе Ибрам менен келисим дүзип былай деди: «Мен сениң урпақларыңа Мысыр дәрьясынан уллы Евфрат дәрьясына шекем созылған жерди,
19. яғный кен, кениз, қадмон,
20. хет, периз, рефа,
21. амор, қанан, гиргаш ҳәм ебус халықларының жерлерин беремен».
1. Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди.
2. Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», – деди. Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты.
3. Солай етип, Ибрамның Қанан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға тоқаллыққа алып берди.
4. Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
5. Сарай Ибрамға: – Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, – деди.
6. Ибрам Сарайға: – Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, – деди. Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
7. Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға апаратуғын жолдың бойынан таўып:
8. – Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? – деп сорады. Ол: – Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, – деп жуўап берди.
9. Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, – деди.
10. Периште даўам етип: – Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, – деди.
11. Жаратқан Ийениң периштеси оған және: – Минекей, сен ҳәмиледарсаң. Сен ул туўасаң. Оның атын Исмайыл* деп қоясаң. Өйткени Жаратқан Ийе сениң зарыңды еситти!
12. Сениң улың қуландай болады. Ол ҳәммеге қарсы, ҳәмме оған қарсы болады ҳәм ол барлық туўысқанлары менен душпан болып өмир сүреди, – деди.
13. Ажар: «Мен өзимди көрип турған Қудайды көрдим», – деп, өзи менен сөйлескен Жаратқан Ийени «Эл-Роий»* деп атады.
14. Сонлықтан Қадеш пенен Бередтиң арасында жайласқан бул қудық «Беер-Лахай-Роий»* деп аталады.
15. Ажар Ибрамға ул туўып берди. Ибрам улына Исмайыл деп ат қойды.
16. Ажар Исмайылды туўғанда, Ибрам сексен алты жаста еди.
1. Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған аян берип: – Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол.
2. Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған аян берип: – Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол.
3. Ибрам ет бетинен жығылды. Сонда Қудай оған былай деди:
4. – Мениң сениң менен дүзетуғын келисимим мынаў: сен көп халықлардың бабасы боласаң.
5. Енди сениң атың Ибрам емес, ал Ибрайым* болады. Себеби Мен сени көп халықлардың бабасы қыламан.
6. Мен сениң нәсилиңди сансыз етип көбейтип, сеннен халықлар дөретемен. Сениң урпағыңнан патшалар келип шығады.
7. Мен сениң менен ҳәм сеннен кейинги урпақларың менен келешек әўладларға өтетуғын мәңгилик келисим дүземен: Мен сениң ҳәм сеннен кейинги урпақларыңның Қудайы боламан.
8. Ҳәзир өзиң келгинди болып жасап атырған пүткил Қанан жерин саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен ҳәм Мен олардың Қудайы боламан.
9. Қудай Ибрайымға және былай деди: – Ал сен ҳәм сеннен кейинги урпақларың Мениң келисимимди әўладлар даўамында сақлаўыңыз тийис.
10. Мениң сениң менен ҳәм сениң урпақларың менен дүзген келисимим, яғный сизлер орынлаўыңыз керек болған келисим мынаў: сизлердиң араңыздағы ҳәр бир ер адам сүннет етилиўи тийис.
11. Сизлер сүннет етилиўиңиз шәрт. Сүннет арамыздағы келисимниң белгиси болады.
12. Ҳәр бир ер бала, соның ишинде үйиңизде туўылған ямаса урпағыңыздан болмай, қандай да бир шет елли адамнан сатып алынған қуллар сегиз күнлигинде сүннет етилсин. Бул әўладлар бойы даўам етсин.
13. Олар үйиңде туўылған болса да, сатып алынған болса да, сүннет етилиўи шәрт. Денеңиздеги бул белги Мениң мәңгилик келисимимниң белгиси болады.
14. Сүннет етилмеген ҳәр бир еркек өз халқы арасынан шығарылып жиберилсин. Өйткени ол келисимди бузған болады.
15. Қудай Ибрайымға және былай деди: – Ендигиден былай, ҳаялыңды Сарай деп емес, ал Сара* деп шақыр.
16. Мен оны жарылқайман ҳәм ол арқалы саған бир ул беремен. Мен оны жарылқайман ҳәм ол халықлардың анасы болады. Оннан халықлардың патшалары келип шығады.
17. Ибрайым ет бетинен жығылды. Ол: «Жүз жасар ғаррыдан бала туўыла ма? Тоқсан жасар Сара бала туўа ма?» – деп ойлап, күлип қойды.
18. Соң ол Қудайға: – Ҳеш болмаса, Исмайыл алдыңда аман жүргей, – деди.
19. Сонда Қудай оған былай деди: – Яқ, ҳаялың Сара саған ул туўып береди. Сен оның атын Ысақ деп қоясаң. Мен оның менен ҳәм оның урпақлары менен мәңгилик келисимимди дүземен.
20. Ал Исмайылға келсек, сениң ол туўралы айтқанларыңды еситтим. Мен оны жарылқап, өсип-өндиремен ҳәм урпақларын есап-сансыз қылып көбейтемен. Исмайылдан он еки көсем келип шығады. Мен оннан уллы халық дөретемен.
21. Бирақ Мен Өз келисимимди келеси жылы усындай ўақытта Сараның туўатуғын улы Ысақ пенен дүземен.
22. Қудай Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, жоқарыға көтерилип кетти.
23. Ибрайым Қудайдың айтқанындай, сол күни-ақ үйиндеги барлық еркеклерди: улы Исмайылды, үйинде туўылған ҳәм сатып алынған ер адамлардың ҳәммесин сүннет еттирди.
24. Ибрайым өзи сүннет етилгенде, тоқсан тоғыз жаста,
25. ал улы Исмайыл он үш жаста еди.
26. Ибрайым ҳәм оның улы Исмайыл да сол күни-ақ сүннет етилди.
27. Олар менен бирликте Ибрайымның үйиндеги барлық еркеклер: сол үйде туўылғанлар ҳәм шет елли адамлардан сатып алынған қуллар да сүннет етилди.
1. Күнниң жәзийрама ыссы ўақтында, Ибрайым шатырдың кирер аўзында отырған еди. Сонда оған Мамре теребинф тереклиги қасында Жаратқан Ийе көринди.
2. Ибрайым басын көтерип қарағанда, қарсы алдында үш адамның турғанын көрди. Ол дәрҳал отырған орнынан ушып турды да, оларды қарсы алыўға асықты ҳәм жерге дейин ийилип, тәжим етти.
3. Соңынан Ибрайым былай деди: – Мырзам, егер мен мийримиңизге ерискен болсам, мендей қулыңызды шетлеп өтпең.
4. Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Мына теректиң астында дем алыңлар.
5. Мендей қулыңыз тәрепке жолыңыз түскен екен, ҳәлленип алыўыңыз ушын жейтуғын бир нәрселер әкелейин. Соң жолыңызды даўам етерсиз. Олар: – Яқшы, өзиң айтқаныңдай қыла бер, – деди.
1. Кеш болғанда, еки периште Содомға келди. Лут қала дәрўазасының жанында отырған еди. Лут оларды көргенде, күтип алыў ушын орнынан турды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, тәжим етти ҳәм оларға:
2. – Мырзалар, қулыңыздың үйине кириңлер. Аяқларыңызды жуўыңлар ҳәм бизикинде қонып қалыңлар. Соңынан ерте азанда турып, жолыңызды даўам етерсиз, – деди. Олар: – Яқ, бизлер түнди қала майданында өткиземиз, – деди.
3. Бирақ Лут жалынып қоймағанлықтан, олар Лутқа ерип, оның үйине келди. Лут олар ушын аўқат таярлады ҳәм ашытқысыз нан писирди. Олар аўқатланды.
4. Олар еле жатып үлгермей атырып, Содом қаласының ҳәмме тәрепинен барлық еркеклер, жаслардан баслап ғаррыларға шекем Луттың үйин қоршап алды.
5. Олар Лутты шақырып: – Бүгин кеште саған келген адамлар қай жерде? Оларды бизлерге шығарып бер, олар менен жатайық, – деди.
6. Лут сыртқа шығып, арқасынан қапыны жапты да,
7. оларға былай деди: – Туўысқанлар, бундай зулымлықты ислемеңлер!
8. Минекей, мениң еркек қолы тиймеген еки қызым бар. Мен оларды сизлерге шығарып берейин. Оларға қәлегениңизди ислеңлер. Тек бул адамларға қол тийгизбеңлер, өйткени олар үйимнен баспана тапқан қонағым-ғо!
9. Сонда олар: – Ҳәй, жолды босат! Өзиң келгинди болып, қазылық та қылмақшымысаң. Бизлер енди саған бетерин көрсетемиз, – деди де, Лутты бар күши менен ийтерип, қапыны сындырмақшы болды.
10. Бирақ иштеги адамлар қолларын созып, Лутты үйдиң ишине киргизди де, қапыны жаўып таслады.
11. Ал есик алдында турған адамлардың үлкени- кишисин соқыр етип таслады. Олар есикти де таба алмай қалды.
12. Соңынан иштеги еки адам Лутқа былай деди: – Бул жерде басқа кимиң бар? Күйеў балаларың, улларың, қызларың ҳәм қалада өзиңе дерек ким болса да, ҳәммесин бул жерден алып шық.
13. Себеби бизлер бул жерди жоқ етпекшимиз. Бул халық үстинен Жаратқан Ийеге жетип барған шағымлар жүдә көп. Ол бизлерди қаланы жоқ қылыў ушын жиберди.
14. Лут сыртқа шықты да, болажақ күйеў балаларына барып: – Дәрҳал бул жерден кетиңлер! Өйткени Жаратқан Ийе бул қаланы жоқ етпекши, – деди. Деген менен, олар Лутты ҳәзиллесип атыр деп ойлады.
15. Таң атқанда, периштелер Лутты асықтырып: – Ҳаялыңды ҳәм еки қызыңды ал да, тез бул жерден кет! Болмаса, қала жазаланғанда, сен де бирге өлип кетесең! – деди.
16. Ал Лут еле екиленип турған еди. Лутқа Жаратқан Ийениң мийрими түскенликтен, периштелердиң өзлери Луттың, оның ҳаялының ҳәм қызларының қолларынан услап, қаладан шығарды.
17. Оларды сыртқа шығарыўдан-ақ, периштелердиң бири Лутқа: – Кейниңе бурылып қарама. Бул тегисликлердиң ҳеш бир жеринде иркилмей таўға қаш, болмаса өлесең, – деди.
18. Бирақ Лут оларға: – Яқ, мырзалар!
19. Мине, қулыңыз болған мен сизлердиң мийримиңизге еристим ҳәм жанымды қутқарып, үлкен жақсылық қылдыңыз. Бирақ мен таўға жете алмайман, себеби апатқа ушырап, өлип қаламан.
20. Әне, қашып жете алғандай, кишкене бир қала бар екен. Ол кишкене қала-ғо! Мен жанымды сақлап қалыўым ушын, сол қалаға қашып бара қояйын, – деп өтинди.
21. Олардың бири Лутқа: – Яқшы, сениң бул тилегиңди де қабыл етемен. Сен айтқан сол қаланы қыйратпайман.
22. Тез сол жерге қашып бар! Өйткени сен сол жерге барып жетпегениңше, Мен ҳеш нәрсе ислей алмайман, – деди. Сол себептен бул қала Соар* деп аталады.
23. Лут Соарға жетип келгенде, әлле қашан қуяш шыққан еди.
24. Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомора үстине аспаннан отлы күкирт жаўдырды.
25. Ол бул қалаларды, пүткил тегисликти, ол жерде жасаўшылардың ҳәммесин ҳәм жердеги барлық өсимликлерди жоқ етти.
26. Бирақ Луттың ҳаялы артына бурылып қарап, дузға айланып қатып қалды.
27. Ибрайым азанда ерте турып, бурын өзи Жаратқан Ийениң алдында турған жерге келди.
28. Ол Содом менен Гомораға ҳәм пүткил тегисликке қарап, жердиң пеш сыяқлы түтеп турғанын көрди.
29. Солай етип, Қудай тегисликтеги қалаларды қыйратқан ўақытта Ибрайымды еске алды ҳәм Лут жасаған қалаларды қыйратқанда, Лутты аман сақлап қалды.
30. Лут Соарда қалыўдан қорққанлықтан, еки қызы менен бирге қаладан шығып, таўға кетти. Ол еки қызы менен бирге бир үңгирде жасай баслады.
31. Бир күни үлкен қызы кишкенесине былай деди: – Әкемиз қартайып қалды. Бул дүньяның әдети бойынша, бизлерге үйленетуғын бул дөгеректе бирде бир еркек жоқ.
32. Кел, әкемизге шарап ишкизип, оның менен жатайық ҳәм әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық.
33. Олар сол күни түнде әкесине шарап ишкизди ҳәм үлкен қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
34. Келеси күни үлкен қызы кишкенесине: – Өткен түнде мен әкем менен жаттым. Оған бүгин түнде де шарап ишкизейик ҳәм сен барып, әкемиз бенен жат. Солай етип, әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық, – деди.
35. Сол күни түнде олар әкесине және шарап ишкизди ҳәм кишкене қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
36. Солай етип, Луттың еки қызы да әкесинен ҳәмиледар болды.
37. Үлкен қызы ул туўып, оған Моаб деп ат қойды. Ол – ҳәзирги моаб халқының бабасы.
38. Кишкене қызы да ул туўып, оған Бен-Аммий деп ат қойды. Ол – ҳәзирги аммон халқының бабасы.
1. Ибрайым Мамреден Негеб жерине көшип, Қадеш ҳәм Шур аралығында жасады. Соңынан бир қанша ўақыт Герарда қалды.
2. Ол ҳаялы Сараны: «Ол мениң қарындасым», – деди. Сонлықтан Герар патшасы Абимелех адам жиберип, Сараны алдыртты.
3. Бирақ Қудай бир күни түнде Абимелехтиң түсине енип: – Сен бул ҳаялды алғаның ушын өлесең, себеби оның күйеўи бар, – деди.
4. Абимелех еле Сараға жақынлаған жоқ еди. Ол: – Ийем! Сен айыпсыз адамларды жоқ етпекшимисең?
5. Ибрайымның өзи маған оны қарындасым деп айтты-ғо. Ҳаялы да: «Ол мениң әжағам», – деген еди. Бул исте мениң ҳүжданым таза, қолларым да ҳадал, – деди.
6. Сонда Қудай түсинде оған былай деди: «Аўа, сениң ҳүжданыңның таза екенин билемен. Сонлықтан сени Маған қарсы гүна ислеўден сақлап, ҳаялға қол тийгизиўиңе жол қоймадым.
7. Ал енди ҳаялды күйеўине қайтып бер. Өйткени ол – пайғамбар. Ол сен ушын дуўа етеди, сонда сен өлмейсең. Бирақ билип қой: егер сен ҳаялды күйеўине қайтарып бермесең, онда өзиң де, барлық адамларың да өлесизлер».
8. Абимелех азанда ерте турды да, өзиниң барлық хызметкерлерин жыйнап, оларға болған ўақыяны айтып берди. Олар қатты қорқып кетти.
9. Абимелех Ибрайымды шақыртып, оған былай деди: – Сен неге бизлерге булай иследиң? Мени ҳәм мениң патшалығымды бундай үлкен гүнаға батырғандай, мен саған не жаманлық қылған едим? Сен маған ислеўге болмайтуғын ислерди иследиң, – деди.
10. Соңынан ол Ибрайымнан: – Бул исти қандай мақсетте иследиң? – деп сорады.
11. Ибрайым былай деп жуўап берди: – Мен бул жерлерде адамлар ҳеш Қудайдан қорқпайды ҳәм ҳаялым ушын мени өлтириўи мүмкин деп ойладым.
12. Ҳақыйқатында да, ол – мениң қарындасым. Бизлердиң әкемиз бир, аналарымыз басқа болғанлықтан, мен оған үйленген едим.
13. Қудай маған әкемниң үйин қалдырып, еллерди гезиўди буйырғанда, мен өз ҳаялыма: «Маған жақсылық исле: қай жерге барсақ та, мени әжағам деп айт», – деп айтқан едим.
14. Сонда Абимелех Ибрайымға қой, сыйыр, қул ҳәм шорыларды саўғаға берди. Ол Сараны да қайтарып берди ҳәм
15. Ибрайымға былай деди: – Мениң жерлерим сениң көз алдыңда: қай жерди қәлесең, сол жерде жаса.
16. Ал Сараға былай деди: – Минекей, мен әжағаңа мың шекел* гүмис берип атырман. Бул жаныңдағы адамлар алдында сениң намысыңның таза екенин көрсететуғын дәлил болады. Ҳәмме сениң айыпсыз екениңди билсин.
17. Сонда Ибрайым Қудайға дуўа етти ҳәм Қудай Абимелехке, оның ҳаялына ҳәм шорыларына шыпа берди. Олар және туўатуғын болды.
18. Себеби Ибрайымның ҳаялы Сара себепли Жаратқан Ийе Абимелехтиң үйиндеги барлық ҳаялларды бала туўмайтуғын етип таслаған еди.
1. Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады.
2. Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди.
3. Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ* деп ат қойды.
4. Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди.
5. Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.
6. Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи».
7. Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.
8. Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди.
9. Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде,
10. Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен бирге мийрасхор болмасын», – деди.
11. Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди.
12. Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди: – Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди.
13. Бирақ шорыңның улынан да Мен бир халық шығараман, өйткени ол да сениң урпағың.
14. Ертеңине таң азанда, Ибрайым нан ҳәм бир мес суў алды да, оларды Ажардың ийнине салды ҳәм оны баласы менен қосып шығарып жиберди. Ажар кетип баратырып, Беер-Шеба шөлинде адасып қалды.
15. Местеги суў таўысылғанда, Ажар баласын бир путаның астында қалдырды да:
16. «Баламның қалай өлетуғынын көрмейин», – деп арырақ кетти ҳәм бир оқ жетирим жерге барып отырып, дад салып жылай баслады.
17. Қудай баланың жылағанын еситти ҳәм Оның бир периштеси Ажарға аспаннан даўыслап: «Ҳәй, Ажар, саған не болды? Қорқпа, Қудай балаңның жатырған жеринен оның жылағанын еситти.
18. Бар да, баланы турғызып, оны қолынан жетеле. Мен оннан уллы халық жаратаман», – деди.
19. Соңынан Қудай Ажардың көзин ашты ҳәм ол бир қудықты көрди. Ол барып, месин суўға толтырды да, баласына суў ишкизди.
20. Солай етип, Қудай бала менен бирге болды. Ол өсип, шөлде жасады ҳәм мерген болды.
21. Исмайыл Паран шөлинде жасап атырған ўақтында, анасы оған Мысырдан бир қызды ҳаяллыққа алып берди.
22. Сол ўақытлары Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол Ибрайымға былай деди: – Ҳәр бир исиңде Қудай сениң менен бирге.
23. Сонлықтан сен мени, перзентлеримди ҳәм урпақларымды да алдамайман деп, Қудай алдында ант иш. Мен саған қандай жақсылық еткен болсам, сен де маған ҳәм өзиң келгинди болып жасап атырған елге сондай жақсылық ет.
24. Ибрайым: – Мен ант ишемен, – деди.
25. Соңынан Ибрайым Абимелехке адамларының бир қудықты тартып алғаны ҳаққында айтып, шағым етти.
26. Ал Абимелех оған: – Мен буны кимниң ислегенин билмеймен. Сен маған ҳеш нәрсе айтпаған едиң. Мен бул ҳаққында ҳәзир еситип турман, – деди.
27. Кейин Ибрайым Абимелехке қой ҳәм сыйырлар саўға етти ҳәм екеўи келисим дүзди.
28. Ибрайым сүриўден жети урғашы қозыны айырып қойды.
29. Абимелех оннан: – Бул жети урғашы қозыны айырып қойыўыңның мәниси не? – деп сорады.
30. Ибрайым оған: – Бул қудықты мениң қаздырғанымның дәлили сыпатында, мына жети урғашы қозыны мениң қолымнан қабыл ет, – деди.
31. Солай етип, сол жер Беер-Шеба* деп аталды, өйткени олар екеўи сол жерде ант ишискен еди.
32. Беер-Шебада келисим дүзгеннен соң, Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол филистлердиң жерине қайтып кетти.
33. Ибрайым Беер-Шебада бир тамариск* ағашын тикти ҳәм сол жерде мәңгилик Қудай Ийениң атын айтып шақырды.
34. Ибрайым филистлердиң жеринде келгинди болып көп ўақыт жасады.
1. Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған: – Ибрайым! – деди. Ибрайым: – Ләббәй! – деди.
2. Сонда Қудай оған: – Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
3. Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты.
4. Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди.
5. Ибрайым хызметшилерине: – Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.
6. Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти.
7. Кетип баратырып, Ысақ әкесине: – Аға! – деди. – Ләббәй, улым, – деди Ибрайым. Ысақ оннан: – Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.
8. Ибрайым: – Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди. Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.
9. Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды.
10. Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды.
11. Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап: – Ибрайым! Ибрайым! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
12. Периште оған: – Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
13. Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди.
14. Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире* деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийе таўында өзи жеткизеди», – деп айтылады.
15. Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап
16. былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың,
17. сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың душпанларыңның қалаларына ийелик етеди.
18. Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
19. Соннан кейин, Ибрайым хызметшилериниң жанына қайтып келди. Олар бирликте Беер-Шебаға қарай кетти. Ибрайым сол жерде жасап қалды.
20. Бир қанша ўақытлардан соң, Ибрайымға: «Туўысқаның Нахорға ҳаялы Милка уллар туўып берди», – деген хабар жетип келди.
21. Милка туңғышы Усты, оның иниси Бузды, Арамның әкеси Кемуелди,
22. Кеседти, Хазоны, Пилдашты, Идлафты ҳәм Бетуелди дүньяға келтирди.
23. Ал Бетуелден Ребекка туўылды. Усы сегиз улды Ибрайымның туўысқаны Нахорға Милка туўып берди.
24. Нахордың Реума деген тоқалы да оған Тебах, Гахам, Тахаш ҳәм Мааха деген балаларды туўып берди.
1. Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди.
2. Ол Қанан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты+.
3. Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хетлерге:
4. – Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, – деди.
5. Хетлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
6. – Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сен бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
7. Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хетлерге тәжим етип
8. былай деди: – Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер.
9. Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
10. Хет халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлерге еситтирип, Ибрайымға:
11. – Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
12. Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм
13. ҳәммеге еситтирип, Эфронға: – Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, – деди.
14. Сонда Эфрон Ибрайымға:
15. – Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз шекел гүмис. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
16. Ибрайым ыразы болып, Эфрон хетлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
17. Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер
18. Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлер гүўа болды.
19. Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Қанан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды.
20. Солай етип, хетлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.
1. Ибрайым қартайып, бираз жасқа барып қалған еди. Жаратқан Ийе оны ҳәр тәреплеме жарылқап қойған еди.
2. Ибрайым үйиндеги ҳәмме нәрсени басқаратуғын бас хызметшисине былай деди: – Қолыңды санымның астына қойып,
3. аспан ҳәм жердиң Қудайы болған Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиўиңди қәлеймен: мен араларында жасап атырған қанан халқынан улыма қыз алма.
4. Ал улым Ысаққа қыз алыў ушын мениң елиме, ағайин-туўғанларыма бар.
5. Хызметши Ибрайымнан: – Егер қыз мениң менен бирге бул елге келиўди қәлемесе ше? Онда улыңызды өзиңиз шығып кеткен елге апарыўым керек пе? – деп сорады.
6. Ибрайым оған былай деди: – Яқ, улымды ҳасла ол жерге апара гөрме!
7. Мени өз әкемниң үйинен, туўылған елимнен алып шығып: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен аспанның Қудайы Жаратқан Ийе сениң алдыңнан Өз периштесин жибереди ҳәм сен сол жерден улыма қыз алып келесең.
8. Егер қыз сениң менен бирге келиўди қәлемесе, онда сен маған берген бул антыңнан азат боласаң. Тек улымды ол жерге апара гөрме!
9. Солай етип, хызметши хожайыны Ибрайымның санының астына қолын қойып, айтылғанды ислеўге ант ишти.
10. Соңынан хызметши хожайынының түйелеринен онын ҳәм ҳәр қыйлы қымбат баҳалы затларынан алып, жүрип кетти. Ол Арам-Наҳарайымдағы Нахор жасайтуғын қалаға жетип келди.
11. Хызметши түйелерин қала сыртындағы қудықтың қасына шөктирди. Бул ҳаял-қызлар суў алыў ушын шығатуғын кешки пайыт еди.
12. Сонда хызметши былай деп дуўа етти: «Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Бүгин маған әўмет берип, хожайыным Ибрайымға жақсылық ислей гөр!
13. Мине, мен қудық басында турман, қаланың қызлары суў алыўға киятыр.
14. Мен қайсы қызға: „Гүзеңди еңкейт, мен суў ишип алайын“, – дегенимде, ол: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – десе, онда сол қыз Сениң қулың Ысақ ушын таңлаған қызың болсын. Хожайыныма жақсылық ислегениңди соннан билейин».
15. Хызметши еле дуўасын тамамламай атырып-ақ, ийнине гүзесин көтерген Ребекка келип қалды. Ол Ибрайымның иниси Нахор менен ҳаялы Милканың улы Бетуелдиң қызы еди.
16. Ребекка оғада сулыў, еркек қолы тиймеген қыз еди. Ол қудыққа қарай төмен түсти де, гүзесин суўға толтырып, жоқары шықты.
17. Ибрайымның хызметшиси қыздың алдына жуўырып шығып: – Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер, – деди.
18. – Ишиңиз, мырза, – деп қыз дәрҳал гүзесин ийнинен түсирди де, оған ишиўге суў берди.
19. Қыз оған ишкизип болып: – Мен түйелериңизди де шөли қанғанша суўғарып берейин, – деди.
20. Соңынан қыз гүзесиндеги қалған суўды наўаға қуйып босатты да, және суў тартып шығарыў ушын қудыққа қарай жуўырып кетти. Солай етип, ол хызметшиниң барлық түйелерин суўғарды.
21. Ал хызметши болса, Жаратқан Ийениң жолын әўметли қылған ямаса қылмағанын билиў ушын, қызға дыққат қойып, үнсиз қарап турды.
22. Түйелери суў ишип болғаннан соң, ол қызға аўырлығы ярым шекел шығатуғын алтын әребек ҳәм он шекел шығатуғын еки алтын билезик берди.
23. Соңынан ол қыздан: – Айтшы, кимниң қызысаң? Бизлердиң түнеп шығыўымыз ушын әкеңниң үйинен орын табыла ма? – деп сорады.
24. Қыз оған: – Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман.
25. Бизде сабан да, жем де көп, түнеў ушын орын да бар, – деп жуўап берди.
26. Сонда хызметши тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды да:
27. «Өз мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын хожайынымнан аямаған Ибрайымның Қудайы – Жаратқан Ийеге алғыслар болсын. Ол мени туўры хожайынымның ағайин-туўғанларының үйине баслап келди», – деди.
28. Қыз анасының үйине жуўырып барып, болған ўақыя ҳаққында айтып берди.
29. Ребекканың Лабан деген әжағасы бар еди. Ол қудық басында турған адамға қарай жуўырып кетти.
30. Лабан қарындасының мурнындағы әребекти, қолларындағы билезиклерди көрип, Ребеккадан ол адамның өзине не айтқанын еситкенде, дәрҳал сол адамның жанына кеткен еди. Ал сол адам қудық басында, түйелердиң жанында турған еди.
31. Лабан оған: – Үйге жүриң, Жаратқан Ийе жарылқаған бенде! Неге сыртта турыпсыз? Мен өзиңиз ушын бөлме, түйелериңиз ушын орын таярлап қойдым, – деди.
32. Солай етип, хызметши үйге кирди. Лабан түйелердиң жүклерин түсиртип, алдына сабан ҳәм жем салдырды. Хызметшиниң ҳәм оның жанындағылардың аяқларын жуўыў ушын суў әкелдирди.
33. Алдыларына аўқат қойылғанда, хызметши: – Мен не ушын келгенимди айтпай турып, аўқат жемеймен, – деди. – Мейли, айтың, – деди олар.
34. Сонда хызметши былай деди: – Мен Ибрайымның хызметшисимен.
35. Жаратқан Ийе хожайынымды мол-мол етип жарылқап, оны байытты. Оған қой ҳәм сыйырлар, гүмис ҳәм алтынлар, қул ҳәм шорылар, түйе ҳәм ешеклер берди.
36. ожайынымның ҳаялы Сара қартайған шағында оған ул туўып берди. Хожайыным өзиниң барлық мал-мүлкин улына тапсырды.
37. Хожайыным маған ант иштирип: «Улыма мен жеринде жасап атырған қанан халқының қызларынан емес,
38. ал мениң ата журтыма, ағайин-туўғанларыма барып, сол жерден қыз алып бересең», – деди.
39. Мен хожайынымнан: «Егер ол қыз мениң менен келиўди қәлемесе ше?» – деп сорадым.
40. Сонда ол маған: «Мен Жаратқан Ийениң жолы менен жүрмен. Ол Өз периштесин сениң менен бирге жиберип, жолыңды береди. Сен ағайин-туўғанларымнан, ата журтымнан улыма қыз алып кел.
41. Егер сен ағайин-туўғанларыма барғаныңда, олар саған қызын бермесе, онда сен ишкен антыңнан азат боласаң, аўа, сен усындай жағдайда ишкен антыңнан азат боласаң», – деди.
42. Солай етип, мен бүгин қудық басына келгенимде: «Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Өтинемен, жолымды бере гөр!
43. Ҳәзир мен қудық басында турман. Егер мен суў алыўға келген қызлардың бирине: „Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер“, – десем,
44. ол маған: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – деп айтса, Жаратқан Ийениң хожайынымның улы ушын таңлаған қызы сол болсын», – деп дуўа еттим.
45. Мен еле ишимнен дуўа етип турғанымда, ийнине гүзесин көтерип, Ребекка сыртқа шықты. Ол төмен түсип, қудықтан суў алды. Мен оған: «Өтиниш, маған ишиўге суў бер», – дедим.
46. Ребекка дәрҳал ийнинен гүзесин түсирип: «Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман», – деди. Солай етип, мен суў иштим, ол түйелеримди суўғарды.
47. Мен оннан: «Кимниң қызысаң?» – деп сорадым. Ол маған: «Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман», – деди. Сонда мен оның мурнына әребек, қолларына билезик тақтым.
48. Соң тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйындым. Хожайынымның улына инисиниң ақлық қызын алыў ушын маған туўры жолды көрсеткен хожайыным Ибрайымның Қудайы – Жаратқан Ийеге алғыслар айттым.
49. Енди сизлер хожайыныма жақсылық ислеп, садықлық көрсетпекши болсаңыз, маған айтыңлар, егер қәлемесеңиз, оны да айтыңлар, мен не ислейтуғынымды шешейин.
50. Лабан менен Бетуел былай деп жуўап берди: – Бул – Жаратқан Ийениң иси. Бизлер саған жақсы-жаман, ҳеш нәрсе айта алмаймыз.
51. Мине, Ребекка, оны алып кете бер. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ол сениң хожайыныңның улына ҳаял болсын.
52. Ибрайымның хызметшиси буны еситкенде, жерге дейин ийилип, Жаратқан Ийеге сыйынды.
53. Соңынан хызметши гүмис ҳәм алтын затларды, кийимлерди шығарып, Ребеккаға берди, және де, оның әжағасы менен анасына да қымбат баҳалы саўғалар берди.
54. Соңынан хызметши ҳәм оның жанындағылар ишип-жеди ҳәм сол жерде қонып қалды. Ертеңине азанда олар уйқыдан турғанда, хызметши: – Енди рухсат болса, хожайыныма қайтаман, – деди.
55. Бирақ Ребекканың әжағасы ҳәм анасы: – Қыз онлаған күн бизлер менен болсын, кейин жолға шығарсызлар, – деди.
56. Ал хызметши буған: – Жаратқан Ийе жолымды берип тур екен, мени ирикпеңлер. Маған хожайыныма қайтыўға рухсат бериңлер, – деди.
57. Сонда олар: – Қызды шақырып сорайық, өзи не дер екен? – деди.
58. Солай етип, олар Ребекканы шақырып, оннан: – Мына адам менен кетесең бе? – деп сорады. – Кетемен, – деди ол.
59. Солай етип, олар Ребекканы, оның тәрбияшысын, Ибрайымның хызметшиси менен оның адамларын шығарып салды.
60. Олар Ребеккаға пәтия берип былай деди: «Қарындасым, анасы бол мың-мыңлаған перзентлердиң, Үрим-путақларың ийелесин душпан қалаларын».
61. Соңынан Ребекка ҳәм оның жас шорылары таярланып, түйелерге минди ҳәм Ибрайымның хызметшисиниң изине ерди. Солай етип, хызметши Ребекканы алып, жолға шықты.
62. Сол арада Негеб жеринде жасап атырған Ысақ Беер-Лахай-Роийден қайтып келген еди.
63. Кеште Ысақ ойланыў ушын атызға шықты ҳәм ол басын көтерип қарағанда, жақынлап киятырған түйелерди көрди.
64. Ребекка Ысақты көрип, түйеден түсти ҳәм
65. хызметшиден: – Бизлерге қарай атыз бойлап киятырған ана адам ким? – деп сорады. – Бул – мениң хожайыным, – деп жуўап берди хызметши. Сонда Ребекка жаўлығын алып, жүзин жапты.
66. Хызметши Ысаққа ислеген ислериниң ҳәммесин айтып берди.
67. Ысақ Ребекканы анасының шатырына алып келди ҳәм оған үйленди. Солай етип, Ребекка Ысақтың ҳаялы болды. Ысақ Ребекканы сүйип қалды. Усы тәризде ол анасы қайтыс болғаннан кейинги қайғысына жубаныш тапты.
1. Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди.
2. Ол Ибрайымға Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди.
3. Иоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты.
4. Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Қатурадан тараған урпақлар еди+.
5. Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды.
6. Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди.
7. Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди.
8. Ол ғаррылық дәўранын сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
9. Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хет халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды.
10. Ибрайым бул атызды хетлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды+.
11. Ибрайымның өлиминен соң, Қудай оның улы Ысақты жарылқады. Ысақ Беер-Лахай-Роийдиң жанында жасайтуғын еди.
12. Сараның шорысы, мысырлы Ажардан туўылған Ибрайымның улы Исмайылдың шежиреси мынадай:
13. Исмайылдың улларының туўылыў тәртиби бойынша атлары мынадай: туңғыш улы Небайот, соң Кедар, Адбеел, Мибсам.
14. Мишма, Дума, Масса,
15. Хадад, Тема, Етур, Нафиш ҳәм Кедма+.
16. Исмайылдың уллары болған булар – он еки урыўдың көсеми болды. Усы он еки урыў ҳәм олардың аўыллары менен мәкан басқан жерлери олардың атлары менен аталды.
17. Исмайыл бир жүз отыз жети жасында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
18. Исмайылдың урпақлары Хаўила ҳәм Шур аралығындағы жерлерге мәкан басқан еди. Шур Ашшурға баратуғын жолда, Мысырға жақын жайласқан еди. Олар барлық туўысқанлары менен жаўласып өмир сүрди+.
19. Ибрайымның улы Ысақтың өмир тарийхы мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды.
20. Ысақ Ребеккаға үйленгенде қырық жаста еди. Ребекка Паддан-Арамнан* болған арамлы Бетуелдиң қызы, арамлы Лабанның қарындасы еди.
21. Ысақ ҳаялы ушын Жаратқан Ийеге дуўа етти, өйткени ҳаялы перзентсиз еди. Жаратқан Ийе Ысақтың дуўасына жуўап берди ҳәм Ребекка ҳәмиледар болды.
22. Оның қурсағындағы балалар бир-бири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка: «Неге бундай болып атыр?» – деп Жаратқан Ийеден сорады.
23. Жаратқан Ийе оған былай деди: «Сениң қурсағыңда еки халық бар, Сеннен еки түрли халық бөлинип шығар, Бири екиншисинен күшлирек болып, Үлкени кишкенесине бағынышлы болар»+.
24. Ребекканың туўыў ўақты келгенде, қурсағында егиз уллардың бар екени мәлим болды.
25. Биринши туўылған улының денеси қызыл, териси тон сыяқлы жүнли еди. Сонлықтан оның атын Эсаў* деп қойды.
26. Кейин оның сыңары туўылды. Ол Эсаўдың табанын қолы менен услап шыққан еди. Сонлықтан оны Яқып* деп атады. Олар туўылғанда, Ысақ алпыс жаста еди.
27. Балалар өсип, ержетти. Эсаў дүзди сүйетуғын шебер аңшы, ал Яқып үйден шықпайтуғын тыныш адам болды.
28. Ысақ Эсаўды жақсы көретуғын еди, себеби оның аўлап әкелген аңларының гөшин жеўди унататуғын еди. Ал Ребекка Яқыпты жақсы көретуғын еди.
29. Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди.
30. Ол Яқыпқа: – Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом* деп те аталды.
31. Яқып оған: – Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди+.
32. Эсаў оған: – Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.
33. Яқып: – Дәслеп маған ант бер! – деди. Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.
34. Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти. Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди+.
1. Елде Ибрайымның дәўиринде болған ашлықтан басқа бир ашлық жүз берди. Ысақ Герарға, филистлердиң патшасы Абимелехке кетти+.
2. Жаратқан Ийе Ысаққа көринип былай деди: «Мысырға барма, Мен айтатуғын жерде жаса.
3. Сол жерде келгинди болып жасай бер. Мен сениң менен бирге болып, сени жарылқайман. Мине, усы жерлердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен. Әкең Ибрайымға берген антымды орынлайман+.
4. Сениң урпақларыңды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтип, усы жерлердиң ҳәммесин оларға беремен. Жер жүзиниң барлық халықлары сениң урпақларың арқалы жарылқанады+.
5. Өйткени Ибрайым Маған бойсынып, Мениң тапсырмаларымды, буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм көрсетпелеримди орынлады».
6. Солай етип, Ысақ Герарда орналасып қалды.
7. Сол жердиң халқы оннан ҳаялы ҳаққында сорағанда, ол ҳаялын қарындасым деп айтты. Себеби ол: «Ребекка гөззал, сонлықтан бул жердиң адамлары мени ол себепли өлтиреди», – деп ойлап, оны ҳаялым деп айтыўға қорқты+.
8. Ысақ сол жерде жасап атырғанына көп болғанда, филистлердиң патшасы Абимелех терезеден қарап, Ысақтың Ребекканы аймалап атырғанын көрди.
9. Сонда Абимелех Ысақты шақырып алып: – Ол сениң ҳаялың екен-ғо. Неге оны қарындасым дедиң? – деп сорады. Ысақ оған жуўап берип: – Өйткени, ол себепли мени өлтиреди деп ойладым, – деди.
10. Абимелех оған: – Неге бизлерге булай иследиң? Халық арасынан биреўдиң ҳаялыңа жақынласып қойыўы мүмкин еди-ғо. Сондай болғанда, сен бизлерди гүнаға батырар едиң! – деди.
11. Соңынан Абимелех пүткил халыққа: «Ким де ким бул адамға ямаса оның ҳаялына қол тийгизсе, ол сөзсиз өлтириледи», – деди.
12. Ысақ сол жерге туқым септи ҳәм сол жылы жүз есе артық өним алды. Себеби оны Жаратқан Ийе жарылқаған еди.
13. Ысақ байып кетти, байлығы кем-кемнен көбейип, ол жүдә бай адамға айланды.
14. Оның ири ҳәм майда маллары, көп хызметшилери болғанлықтан, филистлер оны қызғана баслады.
15. Әкеси Ибрайымның тири ўақтында оның хызметшилери қазған қудықлардың ҳәммесин филистлер топырақ пенен көмип таслады+.
16. Сонда Абимелех Ысаққа: – Бизиң жеримизден кет, өйткени сен бизлерден гөре анағурлым күшли болып кеттиң, – деди.
17. Соннан кейин, Ысақ ол жерден кетип, Герар ойпатлығына шатырларын тикти ҳәм сол жерге қоныс басты.
18. Әкеси Ибрайымның тири ўақтында қазылып, оның өлиминен соң филистлер тәрепинен көмип тасланған қудықларды Ысақ қайтадан қаздырып, оларға әкеси қойған бурынғы атларды қойды.
19. Ысақтың хызметшилери ойпатлықта қудық қазып атырып, бир булақ тапты.
20. Герар шопанлары: «Бул суў бизлердики», – деп Ысақтың шопанлары менен жәнжеллести. Олар өзи менен таласқаны ушын Ысақ қудықты Эсек* деп атады.
21. Соңынан олар басқа бир қудық қазды. Бирақ бул қудық себепли де жәнжел шығып, Ысақ оны Ситна* деп атады.
22. Ысақ ол жерден көшип кетип, және басқа бир қудық қаздырды. Бул қудық себепли жәнжел шықпағанлықтан, Ысақ оны Рехобот* деп атап: «Жаратқан Ийе ақыры бизлерге кең жер берди. Енди бизлер бул жерде өсип-өнемиз», – деди.
23. Ысақ ол жерден Беер-Шебаға көшип кетти.
24. Жаратқан Ийе сол күни түнде оған көринип: «Мен әкең Ибрайымның Қудайыман. Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Мен сени жарылқайман ҳәм қулым Ибрайым ушын урпағыңды көбейтемен», – деди.
25. Ысақ сол жерде қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды. Ол шатырларын сол жерге тикти ҳәм оның хызметшилери бир қудық қазды.
26. Абимелех, оның кеңесгөйи Ахуззат ҳәм сәркәрдасы Пихол Герардан Ысаққа келди.
27. Ысақ оларға: – Неге мениң алдыма келдиңлер? Сизлер мени жек көрип, елиңизден қуўып жиберген едиңиз-ғо! – деди.
28. Олар: – Жаратқан Ийениң сениң менен бирге екенин бизлер анық билдик. Сонлықтан бизлер сениң менен өз ара ант ишип, келисим дүзиўди ойладық.
29. Бизлер саған қол тийгизбей, тек жақсылық етип, сени тынышлық пенен жибергенимиз сыяқлы, сен де бизлерге жаманлық ислемеўиң ҳаққында келисим дүзейик. Сен енди Жаратқан Ийе тәрепинен жарылқанған адамсаң, – деди+.
30. Ысақ олар ушын зыяпат берди ҳәм олар ишип-жеди.
31. Ертеңине таң азанда турып, олар бир-бирине ант берди. Соңынан Ысақ оларды шығарып салды ҳәм олар Ысақтың алдынан аман-есен кетти.
32. Усы күни Ысақтың хызметшилери келип: «Бизлер суў таптық», – деп өзлери қазған қудық ҳаққында оған хабарлады.
33. Ысақ ол қудықтың атын Шеба* деп атады. Сол себепли ол қаланың аты бүгинги күнге шекем Беер- Шеба деп аталады.
34. Эсаў қырық жасқа толғанда, хет халқынан болған Беерийдиң қызы Яҳудитке ҳәм хет халқынан болған Элонның қызы Басематқа үйленди+.
35. Бул ҳаяллар Ысақ пенен Ребекканың басына көп қайғы салды.
1. Ысақ қартайып, көзи көрмей қалды. Ол үлкен улы Эсаўды шақырып алып, оған: – Улым! – деди. – Ләббәй! – деп жуўап берди Эсаў.
2. Ысақ оған былай деди: – Мине, мен қартайып қалдым, қашан өлетуғынымды билмеймен.
3. Енди сен қуралларыңды: садақ ҳәм оқларыңды ал да, дүзге кетип, мен ушын бир аң аўлап кел.
4. Кейин мен жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлап, маған алып кел. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған пәтия берейин.
5. Ысақ улы Эсаўға бул сөзлерди айтып атырғанда, буны Ребекка еситип турған еди. Эсаў аң аўлап әкелиў ушын дүзге кеткенде,
6. Ребекка улы Яқыпқа былай деди: – Мен әкеңниң әжағаң Эсаўға айтқан гәпин еситип қалдым. Әкең оған:
7. «Маған бир аң аўлап әкелип, мазалы аўқат таярла. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған Жаратқан Ийе алдында пәтия берейин», – деди.
8. Улым, енди мени дыққат пенен тыңлап алып, айтқанларымды исле:
9. сүриўге барып, ол жерден маған еки ылақты сайлап әкел. Мен олардан әкең жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлайын.
10. Соңынан сен оны жеўи ушын әкеңе апарасаң. Сонда әкең өлмесинен бурын саған пәтиясын береди.
11. Яқып анасы Ребеккаға: – Бирақ әжағам Эсаўдың денесин жүн басқан, ал мениң денемде жүн жоқ.
12. Егер әкем мени сыйпалап көрсе не қыламан? Оны алдап атырғанымды билип қойса, пәтия орнына ғарғыс аламан-ғо, – деди.
13. Анасы оған: – Балам, саған келетуғын ғарғыс маған келсин. Сен мениң гәпиме кирип, ылақларды алып кел! – деди.
14. Сонда Яқып барып, ылақларды анасына әкелип берди. Анасы олардан Ысақ жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлады.
15. Соңынан Ребекка үлкен улы Эсаўдың үйдеги ең жақсы кийимлерин алып, киши улы Яқыпқа кийгизди.
16. Оның қолларын ҳәм мойнының жүнсиз жерлерин ылақлардың териси менен орады.
17. Кейин өзи таярлаған мазалы аўқат пенен нанды улы Яқыптың қолына берди.
18. Солай етип, Яқып әкесиниң жанына келип: – Аға! – деди. Әкеси оған: – Ләббәй, улымның қайсы бирисең? – деди.
19. Яқып әкесине: – Мен сениң туңғыш улың Эсаўман. Мен сениң айтқаныңды иследим. Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
20. Ысақ улынан: – Қалайынша бунша тез таптың, улым? – деп сорады. Яқып әкесине: – Сениң Қудайың болған Жаратқан Ийе мениң жолымды берди, – деп жуўап берди.
21. Сонда Ысақ Яқыпқа: – Жақынырақ кел, улым. Сен ырасында да, улым Эсаўсаң ба ямаса ол емессең бе, соны билиў ушын сени бир сыйпалап көрейин, – деди.
22. Яқып әкеси Ысаққа жақынлады. Әкеси оны сыйпалап көрип: «Даўысы – Яқыптың даўысы, бирақ қоллары – Эсаўдың қоллары», – деп сөйленди.
23. Яқыптың қоллары әжағасы Эсаўдың қолларындай жүнли болғанлығы себепли, Ысақ оны танымады. Сонлықтан ол пәтиясын бермекши болып атырып,
24. және оннан: – Сен ырасында да, улым Эсаўмысаң? – деп сорады. – Аўа, Эсаўман, – деп жуўап берди Яқып.
25. Сонда Ысақ оған: – Улым өзиң әкелген аңның гөшин алып кел. Мен оны жеп, саған пәтиямды берейин, – деди. Яқып дәслеп аўқатты, кейин шарапты әкелип, әкесине берди. Әкеси аўқаттан жеп, шараптан ишти.
26. Соңынан Ысақ оған: – Жақынырақ келип, мени сүй, улым! – деди.
27. Яқып жақынырақ барып, әкесин сүйди. Ысақ оның кийимлеринен Эсаўдың ийисин сезди ҳәм Яқыпқа пәтиясын берип, былай деди: «Мине, улымның ийиси, Мегзер Жаратқан Ийе жарылқаған дала ийисине.
28. Берсин Қудай саған аспан шығын, Ҳәм жердиң өнимдар топырағын, Мол ғәлле ҳәм жүзим суўын.
29. Халықлар саған хызмет етсин, Миллетлер алдыңда бас ийсин. Бийлик ет туўысқанларыңның үстинен, Қаналасларың алдыңда бас ийсин. Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын, Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын».
30. Яқып Ысақтың пәтиясын ала сала, оның алдынан шығып баратырған ўақытта-ақ, әжағасы Эсаў аңнан қайтып келди.
31. Эсаў да мазалы аўқат таярлап, әкесине әкелди. Соңынан ол әкесине: – Аға! Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
32. Әкеси оннан: – Сен кимсең! – деп сорады. – Мен – сениң туңғыш улың Эсаўман, – деп жуўап берди ол.
33. Сонда Ысақ қатты шоршып, дирилдеп кетип: – Ҳаў, олай болса, маған аң аўлап әкелген ким еди? Сен келместен бурын, мен тап жаңа ғана аўқатты жеп, оған пәтиямды берген едим. Енди пәтия алған ол болады, – деди.
34. Эсаў әкесиниң сөзлерин еситкенде, ашшы даўыс пенен бақырып жылап: – Маған да пәтияңды бер, аға! – деди.
35. Бирақ әкеси оған: – Иниң ҳийлекерлик пенен келип, саған тийисли пәтияны алып кетти, – деди.
36. Сонда Эсаў әкесине: – Ол бийкарға Яқып деп аталмаған шығар! Ол мени еки рет алдады-ғо: дәслеп туңғышлығымды алды, ал енди маған тийисли пәтияны да алып кетти, – деди. Соңынан ол және: – Мен ушын ҳеш қандай пәтия қалдырмадың ба? – деп сорады.
37. Ысақ оған былай деп жуўап берди: – Мен иниңди сени бийлейтуғын қылдым, барлық туўысқанларын оған хызметши еттим. Оны ғәлле ҳәм жаңа шарап пенен тәмийинледим. Енди мен сен ушын не ислей аламан, улым?
38. Эсаў әкесине: – Аға! Сенде пәтия тек биреў ме? Маған да пәтияңды бер, аға! – деп дад салып жылай баслады.
39. Сонда Ысақ улына былай деп жуўап берди: «Сениң мәканың өнимдар топырақтан, Аспан шығынан жырақ болады.
40. Қылышыңның күши менен жасап, Иниңе хызмет етесең. Бирақ оған қарсы бас көтергениңде, Ол салған мойынтырықты ылақтырып таслайсаң».
41. Әкеси пәтиясын Яқыпқа бергени ушын, Эсаў иниси Яқыпты жек көрип қалды. Эсаў: «Әкемниң өлими шамаласты. Оны азалаў күнлери өткеннен кейин, иним Яқыпты өлтиремен», – деп ойлап жүрди.
42. Бирақ Ребекка үлкен улы Эсаўдың ойынан хабардар болғанда, киши улы Яқыпты шақыртып алып, оған былай деди: – Мине, әжағаң Эсаў сени өлтириўди ойлап, өзин жубатып жүрипти.
43. Енди улым, мениң сөзиме қулақ сал: ҳәзир-ақ Харанға, әжағам Лабанның жанына қашып кет.
44. Әжағаңның ашыўы басыламан дегенше, бир қанша ўақыт Лабанның жанында қал.
45. Әжағаңның ашыўы басылып, оған ислеген исиң есинен шыққаннан соң, мен биреўди жиберип, ол жерден сени алдыраман. Болмаса, мен бир күнде екеўиңизден де айырылып қаламан-ғо.
46. Кейин Ребекка Ысаққа: – Мына хет келинлеримиз мени жанымнан тойдырды. Егер Яқып та бул жердиң қызларына, хет қызларға үйленсе, онда маған жасаўдың неге кереги бар? – деди.
1. Ысақ Яқыпты шақырып алып, оған пәтиясын берди ҳәм былай деп буйырды: «Қананлы қызларға үйленбе.
2. Дәрҳал бул жерден кетип, Паддан- Арамға, анаңның әкеси Бетуелдиң үйине бар. Ол жерде дайың Лабанның қызларының биреўине үйлен.
3. Қүдирети күшли Қудай сени жарылқасын, өсип-өндирип, көбейтсин ҳәм урпағыңнан көплеген халықлар таратсын.
4. Ол Ибрайымға берген жарылқаўын саған ҳәм сениң урпақларыңа да берсин. Солай етип, сен ҳәзир келгинди болып жүрген жерди, Қудайдың Ибрайымға берген жерин меншик етип ийелегейсең».
5. Соңынан Ысақ Яқыпты жолға атландырды. Яқып Паддан-Арамға, өзиниң ҳәм Эсаўдың анасы Ребекканың әжағасы, арамлы Бетуелдиң улы Лабанның үйине кетти.
6. Ысақ Яқыпқа пәтия берип, үйлениўи ушын оны Паддан-Арамға жибергенин, оған пәтия берип атырып: «Қананлы қызларға үйленбе», – деп буйырғанын ҳәм
7. Яқып ата-анасының сөзине қулақ салып, Паддан-Арамға кеткенин Эсаў билди.
8. Солай етип, Эсаў қананлы қызлардың әкесине унамайтуғынын түсинди.
9. Сонлықтан ол Ибрайымның улы Исмайылдың алдына барды ҳәм ҳаялларының үстине Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Махалатты ҳаяллыққа алды.
10. Яқып Беер-Шебадан шығып, Харанға қарай жол жүрди.
11. Ол бир жерге жетип келгенде, түнеў ушын тоқтады. Себеби қуяш батып қалған еди. Ол сол жерден бир тасты алып, оны басының астына қойды да, уйықлаў ушын жатты.
12. Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди. Текшениң уша басы аспанға тийип турған болып, Қудайдың периштелери оның үстинде минип-түсип жүрген еди.
13. Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы, Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен.
14. Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады.
15. Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».
16. Яқып оянып: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийе усы жерде екен-ғо, бирақ мен билмеппен!» – деп ойлады.
17. Ол қорқып кетип: «Бул жер қаншелли қорқынышлы! Бул Қудайдың Үйинен басқа ҳеш нәрсе емес, бул аспан дәрўазасы!» – деди.
18. Яқып азанда ерте турып, басының астына қойған тасты алды да, оны естелик қылып тиклеп, үстине зәйтүн майын қуйды.
19. Илгери Луз деп аталған бул қалаға Бейт-Эл деп ат қойды.
20. Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе,
21. сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады.
22. Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».
1. Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди.
2. Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди.
3. Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди.
4. Яқып шопанлардан: – Ҳәй, туўысқанларым, қай жерденсизлер? – деп сорады. Шопанлар оған: – Бизлер Хараннанбыз, – деп жуўап берди.
5. Яқып олардан: – Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады. – Аўа, таныймыз, – деп жуўап берди олар.
6. Яқып олардан және: – Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? – деп сорады. Олар: – Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, – деди.
7. Яқып оларға: – Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? – деди.
8. Шопанлар: – Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, – деди.
9. Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди.
10. Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды.
11. Соңынан Яқып Раҳиланы сүйип, өкирип жылап жиберди.
12. Ол Раҳилаға әкесиниң жийени, Ребекканың улы екенин айтты. Сонда Раҳила жуўырып барып, әкесине хабар берди.
13. Лабан жийени Яқыптың келгенин еситиўден-ақ, оны қарсы алыў ушын жуўырып шықты. Оны қушақлап сүйди ҳәм үйине алып келди. Яқып оған болған ўақыялардың ҳәммесин айтып берди.
14. Сонда Лабан Яқыпқа: – Аўа, шынында да сен мениң қанлас туўысқаным екенсең! – деди. Яқып Лабандикинде бир айдай жасағаннан кейин,
15. Лабан Яқыпқа: – Ағайиним болғаның ушын, маған тегинге хызмет етиўиң керек пе? Маған айт, хызмет ҳақыңа қанша төлейин? – деди.
16. Лабанның еки қызы болып, олардың үлкениниң аты Леа, кишкенесиниң аты Раҳила еди.
17. Леаның көзлери мүләйим, ал Раҳила қәдди-қәўмети келискен, шырайлы еди.
18. Яқып Раҳиланы сүйип қалды. Ол Лабанға: – Кишкене қызыңыз Раҳила ушын, мен сизге жети жыл хызмет етемен, – деди.
19. Лабан оған: – Басқа биреўге бергеннен гөре, оны саған бергеним жақсы. Меникинде жасай бер, – деди.
20. Солай етип, Яқып Раҳила ушын жети жыл хызмет етти. Яқып Раҳиланы сүйгенликтен, бул жети жыл ол ушын бир неше күндей болып көринди.
21. Сонда Яқып Лабанға: «Келисилген ўақыт келди, енди қызыңызды бериң, мен оған үйленейин», – деди.
22. Солай етип, Лабан ол жердиң барлық халқын жыйнап, той берди.
23. Бирақ түнде ол қызы Леаны әкелип, Яқыпқа берди ҳәм Яқып оның менен жатты.
24. Лабан шорысы Зилпаны қызы Леаға хызметши етип берди.
25. Яқып азанда турып қараса, жанында Леа жатырғанын көрди. Ол Лабанға: – Бул не қылғаныңыз? Мен сизге Раҳила ушын хызмет еткеним жоқ па едим? Мени неге алдадыңыз? – деди.
26. Лабан оған: – Бизлердиң дәстүримиз бойынша, үлкен қызынан бурын кишкене қызын узатпайды.
27. Бул тойлаў ҳәптеси тамам болсын, соңынан саған Раҳиланы да беремиз. Бирақ оның ушын және жети жыл хызмет қыласаң, – деди.
28. Яқып буған келисим берип, сол бир ҳәптени Леа менен бирге өткизди. Соңынан Лабан оған қызы Раҳиланы да ҳаяллыққа берди.
29. Лабан өз шорысы Билҳаны қызы Раҳилаға хызметши етип берди.
30. Яқып Раҳила менен де жатты ҳәм ол Раҳиланы Леадан гөре көбирек жақсы көрди. Солай етип, Яқып Лабанға және жети жыл хызмет етти.
31. Жаратқан Ийе Яқыптың Леада кеўли жоқ екенин көргенде, оны туўатуғын қылды. Ал Раҳила бийперзент еди.
32. Леа ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Жаратқан Ийе мениң бахытсызлығымды көрди. Енди күйеўим мени жақсы көретуғын болады», – деп, улына Рубен деп ат қойды.
33. Ол және ҳәмиледар болып, ул туўғанда: «Жаратқан Ийе күйеўимниң менде кеўли жоқ екенин еситти ҳәм маған бул улды да берди», – деп, улына Шимон* деп ат қойды.
34. Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», – деп, улына Лебий деп ат қойды.
35. Кейин ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Бул рет мен Жаратқан Ийени алғыслайман», – деди ҳәм у
1. Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады. Ол Яқыпқа: – Маған перзент бер, болмаса өлемен! – деди.
2. Яқыптың Раҳилаға ғәзеби қайнап: – Мен Қудай ма едим, сени аналық бахтынан маҳрум еткен? – деди.
3. Раҳила: – Мынаў мениң шорым Билҳа. Сен оның менен жат. Сонда ол бала туўып, етегиме салады ҳәм мен де ол арқалы балалы боламан, – деди.
4. Солай етип, Раҳила өз шорысы Билҳаны күйеўине ҳаяллыққа алып берди ҳәм Яқып оның менен жатты.
5. Билҳа ҳәмиледар болып, Яқыпқа бир ул туўып берди.
6. Сонда Раҳила: «Қудай мени ақлады. Ол дадымды еситип, маған бир ул берди», – деди ҳәм у қолына Дан деп атйды.
7. Раҳиланың шорысы Билҳа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа екинши улын туўып берди.
8. Сонда Раҳила: «Мен әжапама қарсы уллы гүресте оны жеңдим», – деди ҳәм улына Нафталий деп ат қойды.
9. Леа өзиниң туўмай қалғанын көргенде, шорысы Зилпаны Яқыпқа ҳаяллыққа берди.
10. Леаның шорысы Зилпа да Яқыпқа бир ул туўып берди.
11. Сонда Леа: «Бул қандай бахыт!» – деди ҳәм улына Гад деп ат қойды.
12. Леаның шорысы Зилпа Яқыпқа екинши улын туўып берди.
13. Сонда Леа: «Мен қандай бахытлыман, енди ҳаяллар мени бахытлы деп атайды», – деди ҳәм улына Ашер деп ат қойды.
14. Рубен бийдай орағы ўақтында далаға барды. Ол далада мәргия шөплерди таўып, анасы Леаға әкелип берди. Сонда Раҳила Леаға: – Улыңның мәргия шөплеринен маған да бер, – деди.
15. Бирақ Леа оған: – Күйеўимди алғаның аз болғандай, енди улымның мәргия шөплерин де алмақшымысаң? – деди. Раҳила оған: – Мейли, улыңның мәргия шөплери есабынан күйеўим бул ақшам сениң менен жатсын, – деди.
16. Кешқурын Яқып даладан келгенде, Леа оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: «Бүгин мениң менен жатыўың керек, себеби мен сени улым таўған мәргия шөплерге алмастырдым», – деди. Солай етип, Яқып сол түни Леа менен жатты.
17. Қудай Леаның дуўасын еситип, ол ҳәмиледар болды ҳәм Яқыпқа бесинши улын туўып берди.
18. Сонда Леа: «Шорымды күйеўиме бергеним ушын, Қудай маған есесин қайтарды», – деди ҳәм улына Иссахар деп ат қойды.
19. Леа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа алтыншы улын туўып берди.
20. Сонда Леа: «Қудай маған жақсы сый берди. Ендигиден былай, күйеўим мени қәдирлейтуғын болады, өйткени мен оған алты ул туўып бердим», – деди ҳәм улына Зебулон деп ат қойды.
21. Бир қанша ўақыттан соң, ол қыз туўып, атын Дина деп қойды.
22. Ақыры Қудай Раҳиланы еске алып, оның дуўасын еситти ҳәм оны туўатуғын қылды.
23. Раҳила ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Қудай мени шерменделигимнен қутқарды», – деди.
24. Соңынан ол тағы: «Жаратқан Ийе маған және бир ул берсин», – деп, улына Юсуп* деп ат қойды.
25. Раҳила Юсупти туўғаннан кейин, Яқып Лабанға былай деди: – Маған жуўап бериң, мен өз үйиме, өз жериме қайтайын.
26. Мен ҳаялларым менен балаларымды да бирге алып кетейин, себеби мен сизге олар ушын хызмет еткен едим-ғо. Мениң сизге қаншелли хызмет еткенимди өзиңиз билесиз.
27. Ал Лабан оған: – Аҳ, егер сениң кеўлиңди таба алғанымда ма еди?! Жаратқан Ийениң мени сен себепли жарылқағанын пал ашыў арқалы билдим.
28. Маған хызмет ҳақыңды айт, саған төлеймен, – деди.
29. Яқып оған: – Сизге қалай хызмет еткенимди ҳәм мениң арқамда малларыңыздың қандай болғанын билесиз.
30. Мен келместен бурын бар болған аз ғана малыңыз жүдә көбейип кетти. Мен келиўден Жаратқан Ийе сизди жарылқап баслады. Бирақ енди мен өз үйим ушын қашан мийнет етемен? – деди.
31. Лабан оннан: – Саған не берейин? – деп сорады. Яқып оған: – Маған ҳеш нәрсе бермең. Егер сиз мына шәртиме көнсеңиз, мен және сизиң сүриўлериңизге қарап, оларды баға беремен:
32. бүгин мен барлық сүриўлериңизди аралап шығып, қой-ешкилердиң ала ҳәм жағалларын, яғный қойлардың қараларын, ешкилердиң жағал ҳәм алаларын ажыратып қояйын. Олар мениң хызмет ҳақым болсын.
33. Кейин ала сиз мениң хызмет ҳақымды тексериў ушын келгениңизде, әдил екенимди билип аласыз. Ешкилеримнен қайсы бири жағал ҳәм ала болмаса, қойларымнан қайсы бири қара болмаса, урлық деп есаплансын.
34. Лабан оған: – Мейли, сен айтқандай болсын, – деди.
35. Деген менен, Лабан сол күни-ақ ала-шубар ҳәм жағал текелерди, үстинде ағы бар жағал ешкилерди ҳәм қара қойлардың ҳәммесин сүриўден айырып, өз улларының қараўына тапсырды.
36. Ол өзи менен Яқып арасындағы аралықты үш күнлик жол етип белгиледи. Ал Яқып Лабанның қалған малларын баға берди.
37. Яқып өзине ақ терек, бадам ҳәм шынар тереклеринен жас шыбықларды кесип алды. Олардың ишиндеги ағы көрингенше, қабықларын ала-ала етип қыршыды.
38. Соңынан ол қыршылған шыбықларды қой- ешкилердиң алдына, олар суў ишетуғын наўалардың ишине салып қойды. Қой-ешкилер суў ишиўге келгенде, сол жерде шағылысатуғын еди.
39. Олар шыбықлардың алдында шағылысқаннан кейин, олардан ала-шубар ҳәм жағал қозы-ылақлар туўылатуғын еди.
40. Яқып қозыларды айырып, қойларды Лабанның барлық ала-шубар ҳәм қара малларына қаратып қойды. Солай етип, ол өзи ушын сүриў пайда етип, оларды Лабанның малларына араластырмады.
41. Урғашылардың күшлилери күйге келген ўақытта, олар шыбықлардың алдында шағылыссын деп, Яқып шыбықларды олардың көз алдына, наўалардың ишине қоятуғын еди.
42. Бирақ әззи урғашылар күйге келген ўақытта, ол шыбықларды қоймайтуғын еди. Солай етип, әззи маллардан туўылғанлары Лабанға, күшлилеринен туўылғанлары Яқыпқа тийисли болды.
43. Усы жол менен Яқып ҳәдден зыят байып кетти. Оның сүриў-сүриў қой-ешкилери, шорылары ҳәм қуллары, түйе ҳәм ешеклери болды.
1. Яқып Лабанның улларының: «Яқып әкемиздиң барлық затларын өзлестирип, пүткил байлығын әкемизге тийисли болған мал-мүликтен арттырды», – деп айтып жүргенин еситти.
2. Және де, Лабанның да өзине бурынғыдай қарым-қатнаста емес екенин байқады.
3. Сонда Жаратқан Ийе Яқыпқа: «Ата-бабаларыңның жерине, ағайин- туўғанларыңа қайт! Мен сениң менен бирге боламан», – деди.
4. Солай етип, Яқып адам жиберип, Раҳила менен Леаны өз сүриўлери жүрген жайлаўға шақыртып,
5. оларға былай деди: – Әкеңиздиң маған деген қарым-қатнасының бурынғыдай емес екенлигин көрип турман. Бирақ әкемниң Қудайы мениң менен бирге болды.
6. Мениң әкеңизге бар күшим менен хызмет еткенимди өзлериңиз билесиз.
7. Деген менен, әкеңиз маған пәнт берип, хызмет ҳақымды он мәртелеп өзгертти. Соған қарамастан, Қудай оның маған жаманлық етиўине жол қоймады.
8. Ол: «Жағал маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў жағал туўатуғын еди. Ал ол: «Ала-шубар маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў ала-шубар туўатуғын еди.
9. Солай етип, Қудайдың Өзи әкеңиздиң малларын алып қойып, оларды маған берди.
10. Маллардың шағылысыў мәўсиминде, бир күни түс көрдим. Түсимде сүриўдеги урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың ала-шубар ҳәм жағал екенин көрдим.
11. Қудайдың периштеси түсимде маған: «Яқып!», – деди. «Ләббәй!», – дедим мен.
12. Ол: «Қара, урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың барлығы ала- шубар ҳәм жағал. Өйткени Лабанның саған не ислеп атырғанының ҳәммесин көрдим.
13. Мен саған Бейт-Элде көринген Қудайман. Сен ол жерде естелик тасын орнатқан едиң ҳәм оның үстине зәйтүн майын қуйып, Маған ўәде берген едиң. Енди бул жерден кетип, өзиңниң туўылған елиңе қайт», – деди+.
14. Сонда Раҳила менен Леа Яқыпқа: – Енди әкемиздиң үйинде бизлер ушын үлес те, мийрас та қалып па еди?
15. Ол ушын бизлер жат адамлар сыяқлы емеспиз бе? Себеби ол бизлерди сатып ғана қоймастан, бизлерге тийисли ақшаны да жеп қойды.
16. Сонлықтан әкемизден Қудай алып қойған байлықлардың ҳәммеси бизлерге ҳәм балаларымызға тийисли. Енди Қудай саған не айтқан болса, соны исле, – деп жуўап берди.
17. Солай етип, Яқып уллары менен ҳаялларын түйелерге миндирди.
18. Ол өзиниң барлық малларын алдына салып, Паддан-Арамда арттырған барлық мал-мүлкин алды да, Қанан жерине, әкеси Ысаққа барыў ушын жолға шықты.
19. Лабан қойларының жүнлерин қырқыўға кеткенде, Раҳила әкесиниң бутларының мүсинлерин урлап алды.
20. Оның үстине, Яқып та өзиниң кететуғынын айтпай, арамлы Лабанды алдап кетти.
21. Солай етип, ол өзиниң ҳәмме нәрсесин алып, қашып кетти ҳәм Евфрат дәрьясынан өтип, таўлы Гилад үлкесине қарай жол алды.
22. Үшинши күни Лабан Яқыптың қашып кеткенлиги туўралы хабар тапты.
23. Ол ағайин-туўғанларын жанына алып, оны қуўып кетти. Жети күннен соң, таўлы Гилад үлкесинде оны қуўып жетти.
24. Бирақ сол күни түнде Қудай арамлы Лабанның түсине енип, оған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа!» – деди.
25. Лабан Яқыпты қуўып жеткенде, Яқып таўлы Гилад үлкесинде шатырын тигип қойған еди. Лабан да өзиниң ағайин-туўғанлары менен бирге сол жерге шатыр тикти.
26. Сонда Лабан Яқыпқа былай деди: – Бул не қылғаның? Мени алдап, қызларымды урыста қолға түскен тутқын сыяқлы алып кетипсең-ғо.
27. Неге мени алдап, жасырын түрде қашып кеттиң? Маған неге айтпадың? Мен сени дәп қақтырып, лира шерттирип, қосықлар айттырып, ойын-күлки менен шығарып салар едим- ғо.
28. Сен, ҳәтте, ақлықларымды ҳәм қызларымды сүйип, хошласыўға да мүмкиншилик бермедиң. Сен ақмақларша ис туттың!
29. Сизлерге жаманлық ислеўге күшим жетеди. Бирақ өткен түнде әкеңиздиң Қудайы маған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа», – деди.
30. Түсинемен, әкеңниң үйин қатты сағынғаның ушын кетип қалғансаң. Бирақ неге сен қудайларымның мүсинлерин урлап кеттиң?
31. Яқып Лабанға былай деп жуўап берди: – Мен сизди қызларын күш пенен тартып алады деп қорқтым.
32. Бирақ егер қудайларыңыздың мүсинлерин кимнен тапсаңыз, ол тири қалмасын! Ағайин-туўғанларымыздың көз алдында өзиңиз тексерип көриң. Егер меннен сизиң бир нәрсеңиз табылса, алып кетиң! Яқып Раҳиланың бутлардың мүсинлерин урлағанын билмейтуғын еди.
33. Лабан Яқыптың, Леаның ҳәм еки шорының шатырларын қарап шықты, бирақ мүсинлерди таба алмады. Ол Леаның шатырынан шығып, Раҳиланың шатырына кирди.
34. Раҳила бутлардың мүсинлерин алып, түйениң ериниң астына қойып, оның үстине отырып алған еди. Лабан шатырды толық тексерип шықса да, мүсинлерди таба алмады.
35. Раҳила әкесине: – Мырзам, сиз келгениңизде турып, күтип алмағаным ушын ашыўыңыз келмесин. Өйткени ҳәзир ҳаял-қызларға тән жағдайдаман, – деди. Солай етип, Лабан қанша излесе де, мүсинлерди таба алмады.
36. Яқып ашыўға минип, Лабанға бақырынып сөйлеп былай деди: – Айыбым не? Бүйтип изимнен қуўғандай, мен не гүна иследим?
37. Сиз мениң барлық затларымды тинтип шықтыңыз, бирақ өзиңизге тийисли бир нәрсе таптыңыз ба? Егер тапқан болсаңыз, оны мына жерге, ағайин- туўғанларымыздың алдына қойың. Олар екеўимизге төрелик қылсын.
38. Мен жигирма жыл сизикинде жасадым. Қой-ешкилериңиз ҳеш қашан иш тасламады. Сизиң сүриўиңизден бир қошқар да жемедим.
39. Жабайы ҳайўанлар баўызлап таслағанларын сизиң алдыңызға әкелмей, зәлелин өз мойныма алатуғын едим. Ал сиз болсаңыз, малыңыздың күндиз ямаса түнде урланыўына қарамастан, меннен ҳәр бир малыңыздың қунын талап етер едиңиз.
40. Күндиз ыссыдан, түнде суўықтан азап шегетуғын едим. Көзлеримнен уйқы қашатуғын еди.
41. Мениң сизиң үйиңиздеги жигирма жыллық өмирим усылай өтти. Мен сизге он төрт жыл еки қызыңыз ушын, алты жыл сүриўиңиз ушын хызмет еттим. Ал сиз хызмет ҳақымды он рет өзгерттиңиз.
42. Егер де әкемниң ҳәм бабам Ибрайымның Қудайы, яғный Ысақ қорққан Қудай мениң менен бирге болмағанда, сиз мени қуры қол қайтарған болар едиңиз. Бирақ Қудай мениң шеккен азабымды ҳәм ислеген аўыр мийнетимди көрип, кеше түнде мени жақлап, төрелик етти.
43. Лабан Яқыпқа былай деп жуўап берди: – Мына қызлар – мениң қызларым, бул балалар – мениң ақлықларым. Бул сүриўлер – мениң сүриўлерим. Сен көрип турған нәрселердиң ҳәммеси – меники. Бирақ енди мен өз қызларыма ҳәм олардан туўылған ақлықларыма не ислей аламан?
44. Кел, енди арамызда гүўалық болатуғын келисим дүзейик.
45. Сонда Яқып бир тасты алып, оны естелик қылып қойды.
46. Соң ағайин-туўғанларына: «Тас жыйнап келиңлер», – деди. Олар тасларды жыйнап әкелип, бир үйиншик иследи ҳәм сол үйиншиктиң жанында отырып аўқат жеди.
47. Лабан үйиншикти Егар-Саҳадута, Яқып Гал-Эд деп атады.
48. Лабан: «Бүгин бул үйиншик бизиң арамызда гүўалық болсын», – дегенликтен, ол жер Гал-Эд деп аталды.
49. Сондай-ақ үйиншик Миспа* деп те аталған. Себеби Лабан: «Бизлер бир-биримизден узақласып кеткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерди гүзетип турсын.
50. Егер сен қызларыма жаман қатнаста болсаң ямаса олардың үстине ҳаял алсаң, буған гүўа болатуғын адам болмаса да, билип қой, Қудайдың Өзи гүўа болады», – деген еди.
51. Лабан Яқыпқа және былай деди: – Минекей, мынаў үйиншик ҳәм екеўимиздиң арамызда мен орнатқан естелик.
52. Булар мениң саған жаманлық ислеў ушын усы үйиншиктен ары өтпейтуғыныма ҳәм сениң де маған жаманлық ислеў ушын бул үйиншик ҳәм естеликтен бери өтпейтуғыныңа гүўалық болсын.
53. Ибрайым ҳәм Нахордың Қудайы, олардың ата-бабаларының Қудайы бизлерге төрелик етсин. Сонда Яқып әкеси Ысақ қорққан Қудайдың аты менен ант ишти.
54. Соңынан ол сол таўда қурбанлық шалып, ағайин-туўғанларын аўқатқа шақырды. Олар аўқатланып болып, таўда түнеп қалды.
55. Ертеңине Лабан таң азанда турып, ақлықларын ҳәм қызларын сүйип, оларға пәтиясын берди. Соңынан ол үйине қайтып кетти.
1. Яқып жолын даўам етип баратырғанда, оған Қудайдың периштелери дус келди.
2. Яқып оларды көргенде: «Бул Қудай ләшкерлериниң ордасы екен-ғо!» – деп, ол жерди Маханайым деп атады.
3. Яқып Эдом жеринде, яғный Сеир жеринде жасайтуғын әжағасы Эсаўға өзинен алдын хабаршылар жиберди.
4. Яқып оларға буйырып: – Мырзам Эсаўға қулы Яқыптың усы ўақытқа шекем Лабандикинде болып, сол жерде жасағанын,
5. қара маллар, ешеклер, қой-ешкилер, қул ҳәм шорыларға ийе болғанын, енди ол мырзасының кеўлин табыў ушын, бул хабарды жоллап атырғанын айтыңлар, – деди.
6. Хабаршылар қайтып келип, Яқыпқа: – Бизлер әжағаңыз Эсаўға бардық. Ол төрт жүз адам менен бирге сизди қарсы алыўға киятыр, – деди.
7. Сонда Яқып қатты қорқып, албырап қалды. Ол адамларын, қой- ешкилерин, қара малларын ҳәм түйелерин еки топарға бөлди.
8. Яқып: «Егер Эсаў келип, бир топарды қырып тасласа, екинши топар қутылып қалыўы мүмкин», – деп ойлады.
9. Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «Атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, – деген едиң.
10. Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым.
11. Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман.
12. Сен маған: „Саған жақсылық қыламан, урпағыңды теңиздиң қумындай сансыз етип көбейтемен“, – деген едиң».
13. Яқып түнди сол жерде өткизди. Ол өзинде бар затлардан ағасы Эсаўға саўға етиў ушын ажыратты.
14. Олар: еки жүз бас ешки, жигирма бас теке, еки жүз бас қой, жигирма бас қошқар,
15. отыз бас боталы түйе, қырық бас сыйыр, он бас буға, жигирма урғашы ҳәм он еркек ешек еди.
16. Яқып оларды падаларға бөлип, қулларына тапсырды ҳәм оларға: – Мениң алдымда жүриңлер, ҳәр паданың арасында аралық болсын, – деди.
17. Ол биринши болып жүретуғын қулға былай деп буйрық берди: – Әжағам Эсаў сени ушыратып, сеннен: «Кимниң қулысаң? Қаяққа баратырсаң? Алдыңдағы мына пада кимдики?» – деп сораса,
18. оған: «Булар қулыңыз Яқыптики. Олар мырзам Эсаўға жиберилген саўға. Мине, оның өзи де бизиң изимизден киятыр», – деп айт.
19. Яқып екинши, үшинши болып киятырған қулларға ҳәм падаларды айдап киятырғанлардың ҳәммесине де буйырып: – Эсаў менен ушырасқаныңызда, сизлер де солай айтыңлар.
20. «Қулыңыз Яқып изимизде киятыр», – деңлер, – деди. Себеби Яқып: «Өзимнен бурын жиберген саўғаларым менен оның жүрегин жибиткенимнен соң ғана, оның көзине көринейин, мүмкин, сонда ол мени қабыл етер», – деп ойлады.
21. Солай етип, Яқыптың саўғалары өзинен алдын жиберилди, ал өзи қоныслаған жеринде түнеп қалды.
22. Сол күни түнде Яқып орнынан турып, еки ҳаялын, еки шорысын ҳәм он бир улын жанына алып, Яббоқ дәрьясының өткелинен өтти.
23. Оларды дәрьядан өткизгеннен соң, өзиниң барлық затларын да өткизди.
24. Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести.
25. Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти.
26. Сонда Ол адам: – Мени жибер, таң атып киятыр, – деди. Бирақ Яқып Оған: – Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди.
27. Ол адам Яқыптан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Яқып, – деп жуўап берди.
28. Сонда Ол адам: – Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил* деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди.
29. Яқып Оған: – Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди. Бирақ Ол адам: – Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди. Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди.
30. Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пенуел деп атады.
31. Ол Пенуелден кетип баратырғанда, күн шықты. Жамбасы аўырғанлықтан, ол ақсаңлап жүрди.
32. Яқыптың жамбас сүйегиндеги сиңири зақым көргенликтен, израиллылар усы күнге дейин жамбас сүйектиң сиңирин жемейди.
1. Яқып қарап, Эсаўдың төрт жүз адам менен киятырғанын көрди. Сонда Яқып балаларды Леаға, Раҳилаға ҳәм еки шорысына бөлип тапсырды.
2. Ол еки шорысы менен олардың балаларын алдына, Леаны ҳәм оның балаларын ортаға, Раҳила менен Юсупти ең соңына қойды.
3. Яқыптың өзи ҳәммесиниң алдына шығып, әжағасының жанына жеткенше, жерге дейин ийилип, жети рет тәжим етти.
4. Бирақ Эсаў Яқыпты қарсы алыў ушын жуўырып барды да, оны мойнынан қушақлап сүйди ҳәм олар екеўи де жылап жиберди.
5. Соңынан Эсаў қарап, ҳаяллар менен балаларды көрди ҳәм Яқыптан: – Жаныңдағы бул адамлар кимлер? – деп сорады. Яқып оған: – Булар Қудайдың сизиң қулыңызға сыйлаған балалары, – деп жуўап берди.
6. Сонда шорылар ҳәм олардың балалары жақынлап келип, тәжим етти.
7. Кейин Леа ҳәм оның балалары, ең ақырында Юсуп ҳәм Раҳила келип, оған тәжим етти.
8. Эсаў Яқыптан: – Жолда мен ушыратқан адамлар менен падаларды не мәнисте жибердиң? – деп сорады. Яқып оған: – Мырзамның кеўлин табыў ушын жибердим, – деп жуўап берди.
9. Бирақ Эсаў Яқыпқа: – Иним, мениң дүнья-малым көп, өзиңдики өзиңе буйырсын, – деди.
10. Яқып: – Яқ, егер маған кеўлиңиз толған болса, саўғамды қабыл етиң. Сизиң жүзиңизди көрип, Қудайдың жүзин көргендей болдым. Өйткени сиз мени жыллы жүзлилик пенен қарсы алдыңыз.
11. Өтиниш, сизге жиберген саўғаларымды қабыл етиң. Себеби Қудай маған жақсылық ислегенликтен, менде ҳәмме нәрсе бар, – деди. Яқып жалынып қоймағанлықтан, Эсаў саўғаларды қабыл етти.
12. Соңынан Эсаў: – Жүриңлер кетейик. Мен сениң алдыңда жүремен, – деди.
13. Бирақ Яқып оған: – Мырзам, өзиңиз билесиз, балаларым жас, қой ҳәм сыйырларым да төллеген. Егер малларды бир күн қатты айдасақ, ҳәммеси өлип қалады.
14. Мырзам, қулыңыздан алдын кете бериң. Мен малларымның ҳәм балаларымның жүрисине қарап, әсте-ақырын бара беремен. Солай етип, Сеирде мырзама жетип аламан, – деди.
15. Эсаў оған: – Жанымдағы адамлардың бир нешесин саған қалдырып кетейин, – деди. Бирақ Яқып: – Буның ҳәжети жоқ. Мырзамның маған кеўли толғанының өзи жеткиликли, – деди.
16. Солай етип, Эсаў сол күни Сеирге қайтып кетти.
17. Ал Яқып Суккотқа кетип, сол жерде өзи ушын үй, маллары ушын қоралар қурды. Сонлықтан сол жер Суккот деп аталды.
18. Соңынан Яқып Паддан-Арамнан Қанан жериниң Шехем қаласына аман-есен қайтып келип, қаланың сыртына шатырларын тикти.
19. Ол шатырларын тиккен усы жерди Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз кесита гүмиске сатып алды.
20. Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, оны Эл-Элоҳе-Израил деп атады.
1. Бир күни Яқыптың Леадан туўылған қызы Дина сол жердиң қызларын көриў ушын шықты.
2. Ол жердиң бийи хиў халқынан болған Хамордың улы Шехем Динаны көргенде, оны услап алып, оған зорлық иследи.
3. Жигиттиң Яқыптың қызы Динаға кеўли кетип, оны сүйип қалды ҳәм оған жыллы сөйледи.
4. Шехем әкеси Хаморға: – Бул қызды маған ҳаяллыққа алып бер, – деди.
5. Яқып қызы Динаның намысы аяқ асты етилгенин еситкенде, уллары жайлаўда мал бағып жүрген еди. Сонлықтан Яқып олар қайтып келгенше үндемеди.
6. Сол ўақытта Шехемниң әкеси Хамор Яқып пенен сөйлесиў ушын, оның алдына барды.
7. Ал Яқыптың уллары болған ўақыяны есите сала, жайлаўдан қайтып келди. Олар ашыўланып, ғәзепке минди. Өйткени Шехем Яқыптың қызын зорлап, Израилдың абырайын төккен ҳәм ислеўге болмайтуғын исти ислеген еди.
8. Сонда Хамор оларға былай деди: – Улым Шехемниң кеўли қызыңызда, қызыңызды оған ҳаяллыққа бериң .
9. Бир-биримиз бенен қуда-тамыр болайық. Қыз алысып, қыз берисейик.
10. Бизлер менен бирге жасай бериңлер. Елимиздиң қәлеген жеринде емин- еркин жасап, саўда-сатық қылыңлар ҳәм мүлик ийелеңлер.
11. Кейин Шехем де қыздың әкеси менен әжағаларына: – Кеўлиңиз толыўы ушын, сизлерге қәлегениңизди беремен.
12. Меннен қанша қалың мал ҳәм саўға талап қылсаңлар да, ҳәммесин беремен. Тек қызыңызды маған ҳаяллыққа берсеңиз болғаны, – деди.
13. Яқыптың уллары қарындасы Динаның намысын аяқ асты еткени ушын Шехемге ҳәм оның әкеси Хаморға ҳийле менен жуўап берип,
14. оларға былай деди: – Яқ, бизлер бундай қыла алмаймыз. Қарындасымызды сүннет етилмеген адамға бере алмаймыз, өйткени бул бизлер ушын шерменделик болады.
15. Тек мына шәртимизди қабыл етсеңиз ғана ыразы боламыз: сизлердиң ҳәр бир ер адамыңыз бизлер сыяқлы сүннет етилсе,
16. бир- биримизге қыз берип, қыз алысамыз. Сизлер менен бирге жасап, бир халық боламыз.
17. Егер сүннет болыўға келисим бермесеңиз, қызымызды алып қайтамыз.
18. Бул сөзлер Хамор менен оның улы Шехемге мақул түсти.
19. Әкесиниң үйинде ҳәммеден көп ҳүрметке ийе болған жас жигит Шехем бул талапты орынлаўды тезлестирди. Себеби ол Яқыптың қызына ашық еди.
20. Солай етип, Хамор ҳәм оның улы Шехем қала халқы менен сөйлесиў ушын қала дәрўазасына барды ҳәм оларға былай деди:
21. – Бул адамлар бизлерге дослық қарым-қатнаста. Олар жеримизде жасап, саўда-сатық қылсын. Жер кең, оларға да жетеди. Олар менен қыз алысып, қыз берисейик.
22. Олар тек мына шәрт пенен ғана бизлер менен бирге жасап, бир халық болыўға ыразы болады: бизлердиң ҳәр бир ер адамымыз олар сыяқлы сүннет етилиўи керек екен.
23. Егер солай ислесек, олардың сүриўлери, мал-мүликлери ҳәм барлық маллары бизлердики болмай ма? Келиңлер, оларға келисим берейик, олар бизлер менен бирге жасап қалсын.
24. Қала турғынларының ҳәммеси Хамордың ҳәм оның улы Шехемниң сөзлерин қабыл етти ҳәм қаладағы барлық ер адамлар сүннет етилди.
25. Үшинши күни, олар аўырып жатырғанда, Яқыптың еки улы – Динаның әжағалары Шимон ҳәм Лебий қылышларын асынып алып, қалаға иркинишсиз кирди де, барлық ер адамларды қылыштан өткерди.
26. Олар Хаморды ҳәм улы Шехемди де қылыштан өткизип, Динаны Шехемниң үйинен алып кетти.
27. Қарындасының намысын аяқ асты қылғаны ушын, Яқыптың уллары өлгенлерди тонап, қаланы талан-тараж етти.
28. Олардың ири-майда малларын ҳәм ешеклерин, қаладағы да, жайлаўдағы да барлық нәрселерин алып кетти.
29. Және де, олардың балаларын ҳәм ҳаялларын тутқын қылып, пүткил байлығын ҳәм үйлериндеги барлық затларын олжа етти.
30. Яқып Шимон ҳәм Лебийге: – Сизлер усы жердиң турғынлары болған қанан ҳәм периз халықларын маған душпан қылып қойып, басыма бәле арттырдыңыз. Мениң адамларым аз. Егер олар биригип, маған қарсы шықса, мени хожалығым менен бирликте жоқ қылады, – деди.
31. Бирақ олар: – Қарындасымызға бузық ҳаялға қатнас жасағандай қатнас жасаўға жол қойыўға бола ма? – деди.
1. Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди.
2. Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди: – Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар.
3. Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын.
4. Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир теребинфтиң түбине көмип таслады.
5. Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди.
6. Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Қанан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди.
7. Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде өзине көринген еди.
8. Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў Емени» деп аталды.
9. Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады:
10. «Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады.
11. Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады.
12. Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди.
13. Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти.
14. Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды.
15. Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады.
16. Олар Бейт-Элден шығып, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳиланың толғағы тутып, ол қыйыншылық пенен босанды.
17. Ол азап шегип туўып атырғанда, киндик шешеси оған: – Қорқпа, сен және бир ул туўдың, – деди.
18. Раҳила өлип баратырып, соңғы демин шығарарда, улын Беноний деп атады. Бирақ әкеси оның атын Бенямин деп қойды.
19. Солай етип, Раҳила қайтыс болып, Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерленди.
20. Яқып оның қәбири үстине қулпы тас орнатты. Раҳиланың қәбириниң қулпы тасы бүгинги күнге шекем бар.
21. Соннан кейин, Израил және көшип, Эдер минарасының арғы жағына шатырын тикти.
22. Израил сол елде жасап атырғанда, улы Рубен әкесиниң тоқалы болған Билҳа менен жатты. Әкеси бул туўралы еситти. Яқыптың он еки улы бар еди.
23. Оның Леадан туўылған уллары: туңғышы Рубен, кейин Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар ҳәм Зебулон.
24. Оның Раҳиладан туўылған уллары: Юсуп ҳәм Бенямин.
25. Раҳиланың шорысы Билҳадан туўылған уллары: Дан ҳәм Нафталий.
26. Леаның шорысы Зилпадан туўылған уллары: Гад ҳәм Ашер. Булар Яқыптың Паддан-Арамда туўылған уллары.
27. Яқып әкеси Ысақтың үйине, Мамреге келди. Мамре Кирят-Арбаның, яғный Хебронның жанында болып, ол жерде Ибрайым ҳәм Ысақ келгинди болып жасаған еди.
28. Ысақ бир жүз сексен жыл жасады.
29. Ол мазмунлы өмир сүрип, қартайып, деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата- бабаларына қосылды. Уллары Эсаў менен Яқып оны жерледи.
1. Эсаўдың, яғный Эдомның шежиреси мынадай:
2. Эсаў мына қананлы қызларға үйленди: бириншиси хет халқынан болған Элонның қызы Ада, екиншиси хиў халқынан болған Сибонның ақлығы, Ананың қызы Оҳолибама.
3. Және де, ол Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Басематқа да үйленди.
4. Ада Эсаўға Элифазды, Басемат Реуелди,
5. Оҳолибама Еушты, Яламды ҳәм Қорахты туўып берди. Булар – Эсаўдың Қананда туўылған уллары еди.
6. Кейин Эсаў ҳаялларын, улларын, қызларын, үйиндеги барлық адамларын, ҳәмме малларын ҳәм Қананда арттырған пүткил мал-мүлкин алып, иниси Яқыптан бөлекленди де, басқа бир елге көшип кетти.
7. Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан, олар енди бирге жасай алмады. Өзлери жасаған бул жерлер олардың малларына тарлық етип қалған еди.
8. Солай етип, Эсаў, яғный Эдом таўлы Сеир жерине орналасты.
9. Таўлы Сеир жеринде жасаўшы эдомлылардың түп атасы болған Эсаўдың шежиреси мынадай:
10. Эсаўдың улларының атлары: оның ҳаялы Ададан Элифаз, ал ҳаялы Басематтан Реуел туўылды.
11. Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам ҳәм Кеназ.
12. Эсаўдың улы Элифаздың тоқалы Тимна күйеўине Амалекти туўып берди. Булар – Эсаўдың ҳаялы Аданың ақлықлары.
13. Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза. Булар – Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары.
14. Сибонның ақлығы ҳәм Ананың қызы болған Оҳолибаманың күйеўи Эсаўға туўып берген уллары: Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
15. Эсаўдың урпақларынан келип шыққан урыў бийлери мыналар: Эсаўдың туңғышы Элифаздың уллары: Теман бий, Омар бий, Сефо бий, Кеназ бий,
16. Қорах бий, Гатам бий ҳәм Амалек бий. Булар Эдом жеринде Элифаздың урпағынан шыққан бийлер болып, Аданың ақлықлары еди.
17. Эсаўдың улы Реуелдиң уллары: Нахат бий, Зерах бий, Шамма бий ҳәм Мизза бий. Булар Эдом жеринде Реуелдиң урпағынан шыққан бийлер болып, Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары еди.
18. Эсаўдың ҳаялы Оҳолибаманың уллары: Еуш бий, Ялам бий ҳәм Қорах бий. Булар – Ананың қызы, Эсаўдың ҳаялы Оҳолибамадан тараған бийлер еди.
19. Булардың ҳәммеси Эсаўдың, яғный Эдомның уллары ҳәм урыў бийлери.
20. Эдом жеринде жасаған хор халқынан болған Сеирдиң уллары мыналар: Лотан, Шобал, Сибон, Ана,
21. Дишон, Эсер ҳәм Дишан. Булар – Сеирдиң уллары болып, Эдом жеринде хор халқының урыў бийлери еди.
22. Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳемам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
23. Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефо ҳәм Онам.
24. Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана. Әкеси Сибонның ешеклерин бағып жүрип, шөлде ыссы булақ тапқан усы Ана еди.
25. Ананың балалары: Дишон ҳәм қызы Оҳолибама.
26. Дишонның уллары: Хемдан, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
27. Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Ақан.
28. Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
29. Хор халқының урыў бийлери мыналар: Лотан бий, Шобал бий, Сибон бий, Ана бий,
30. Дишон бий, Эсер бий ҳәм Дишан бий. Булар – Сеир жериндеги хор халқының урыў бийлери еди.
31. Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти:
32. Беор улы Бела Эдом патшасы болды. Оның қаласының аты Динҳаба еди.
33. Бела өлгеннен кейин, оның орнына Босра қаласынан болған Зерахтың улы Иобаб патша болды.
34. Иобаб өлгеннен соң, теманлылардың жеринен Хушам патша болды.
35. Хушам өлгеннен соң, Моаб елинде мидянлыларды қыйратқан, Бедадтың улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
36. Ҳадад өлгеннен соң, оның орнына Масреқадан болған Самла патша болды.
37. Самла өлгеннен соң, оның орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
38. Шаул өлгеннен соң, оның орнына Ахбордың улы Баал-Ханан патша болды.
39. Ахбордың улы Баал-Ханан өлгеннен соң, оның орнына Ҳадар патша болды. Ол Пау қаласынан болып, оның ҳаялы Матредтиң қызы, Мезаҳабтың ақлығы Меҳетабел еди.
40. Тийрелерине ҳәм жерлерине қарай Эсаўдың урпағынан келип шыққан бийлердиң атлары мынадай: Тимна бий, Алўа бий, Етет бий,
41. Оҳолибама бий, Эла бий, Пинон бий,
42. Кеназ бий, Теман бий, Мибсар бий,
43. Магдиел бий ҳәм Ирам бий. Булар – өзлери ийелик еткен үлкеде жасаған жерлерине өзлериниң атларын берген Эдом бийлери еди. Эдомлылардың түп бабасы – Эсаў еди.
1. Яқып әкеси келгинди болып жасаған Қанан жеринде жасай берди.
2. Яқыптың урпақларының тарийхы төмендегише: Юсуп он жети жасар ўақтында әжағаларына, яғный әкесиниң ҳаяллары Билҳа менен Зилпаның улларына қой-ешкилерди бағысатуғын еди. Ол әкесине әжағаларының жаман ислери ҳаққында жеткизип туратуғын еди.
3. Израил Юсупти басқа барлық улларынан гөре көбирек жақсы көрди, өйткени ол Израилдың қартайған шағында көрген улы еди. Әкеси Юсупке нағыслы шапан тиккизип берди.
4. Юсуптиң әжағалары әкесиниң оны өзлеринен гөре көбирек жақсы көретуғынын билгенде, оны жек көрип қалды ҳәм енди оның менен жыллы сөйлесе алмайтуғын болды.
5. Бир күни Юсуп түс көрди. Ол өз түсин әжағаларына айтып бергенде, олар Юсупти бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
6. Юсуп әжағаларына: – Мен көрген түсимди айтып берейин, тыңлаңлар!
7. Түсимде бизлер атызда дәстелерди баўлап атырған екенбиз. Бирден мениң баўлаған баўым жерден көтерилип, тик турды. Ал сизлердиң баўларыңыз мениң баўымды дөгереклеп, оған тәжим етти, – деди.
8. Юсуптиң әжағалары оған: – Сен еле бизлердиң үстимизден патша болып, бизлерди басқармақшымысаң? – деди. Көрген түсин айтқаны себепли әжағалары оны бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
9. Кейин Юсуп тағы бир түс көрди ҳәм оны да әжағаларына айтып берип былай деди: – Тыңлаңлар, мен және бир түс көрдим. Түсимде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз маған тәжим етип атырған екен.
10. Юсуп бул түсин әкесине де айтып бергенде, әкеси оған кейип: – Сен қандай түс көрдиң өзи? Сонда не мен, анаң ҳәм әжағаларың алдыңа келип, жерге дейин ийилип, тәжим етемиз бе? – деди.
11. Әжағалары Юсупке қызғаныш пенен қараўды даўам етти, бирақ әкеси оның сөзлерин есинде сақлап қалды.
12. Бир күни Юсуптиң әжағалары әкесиниң қой-ешкилерин бағыў ушын Шехемге кетти.
13. Израил Юсупке: – Әжағаларыңның Шехемде қой-ешкилерди бағып атырғанын билесең. Бар, мен сени оларға жиберейин, – деди. – Яқшы, – деди Юсуп.
14. Әкеси оған: – Барып, әжағаларыңның ҳәм сүриўдиң жағдайын билип қайт, – деп оны Хеброн ойпатлығынан Шехемге жиберди. Юсуп Шехемге жетип барып,
15. далада адасып жүргенде, бир адам оны көрип: – Не излеп жүрсең? – деп сорады.
16. Юсуп оған: – Мен әжағаларымды излеп жүрмен. Олардың қой-ешкилерди қай жерде бағып жүргенин билмейсиз бе? – деди.
17. Ол адам Юсупке: – Олар бул жерден кетип қалды. «Дотанға барамыз», дегенин еситип қалдым, – деди. Солай етип, Юсуп әжағаларының изинен кетип, оларды Дотаннан тапты .
18. Әжағалары Юсупти узақтан көрди ҳәм ол еле қасларына жетип келместен бурын, оны өлтириўге тил бириктире баслады.
19. Олар бир- бирине: – Әне, түс көргиш киятыр!
20. Келиңлер, оны өлтирип, бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық. Соңынан оны жыртқыш ҳайўан жеп кетипти, деп айтамыз. Сонда оның көрген түслериниң не болатуғынын көремиз! – деди.
21. Рубен буны еситкенде, Юсупти олардың қолынан қутқармақшы болып, оларға: – Оны өлтирмейик.
22. Қан төкпейик, оны усы шөлдеги бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық, бирақ өзине тиймейик, – деди. Оның нийети Юсупти қутқарып, әкесине қайтарыў еди.
23. Юсуп әжағаларының жанына келгенде, олар оның үстиндеги нағыслы шапанды шешип алып,
24. өзин бир суўсыз, бос шуқырға таслап жиберди.
25. Әжағалары аўқатланыў ушын жайғасып отырғанда, Гилад тәрептен киятырған исмайыллылардың кәрўанын көрди. Олар түйелерине ҳәр түрли хош ийисли шайырларды жүклеп, Мысырға кетип баратыр еди.
26. Яҳуда аға-инилерине: – Инимизди өлтирип, оның қанын жасырғанымыздан не пайда?
27. Жақсысы, оны исмайыллыларға сатайық, сонда қолымыз оның қанына былғанбайды. Себеби ол бизлер менен қаны бир туўысқанымыз-ғо, – деди. Туўысқанлар буған ыразы болды.
28. Мидянлы саўдагерлер, яғный исмайыллылар сол жерден өтип баратырғанда, әжағалары Юсупти шуқырдан шығарып алды да, оны сол саўдагерлерге жигирма шекел гүмиске сатып жиберди. Олар Юсупти Мысырға алып кетти.
29. Рубен шуқырға қайтып келгенде, Юсуптиң шуқырдың ишинде жоқ екенин көрип, қайғыдан кийимлерин жыртты.
30. Ол инилериниң жанына қайтып барып, оларға: – Бала ол жерде жоқ, енди мен не қыламан, – деди.
31. Сонда олар бир текени сойып, Юсуптиң нағыслы шапанын алып, оны текениң қанына былғады.
32. Соңынан шапанды әкесине жиберип: – Бизлер мынаны таўып алдық. Қара, бул улыңның шапаны емес пе? – деп соратты.
33. Яқып шапанды танып: – Аўа, бул – улымның шапаны! Оны жыртқыш ҳайўан жеп кетип, Юсуп тилким-тилким болған екен-ғо, – деди.
34. Яқып қайғыдан кийимин жыртып, аза кийимин кийип алды ҳәм улы ушын узақ ўақыт аза тутты.
35. Барлық ул-қызлары оған тәселле берсе де, ол жубанғысы келмей: «Мен улымның жанына, өлилер мәканына усы қайғым менен кетемен», – деп улын жоқлаўды даўам етти.
36. Сол арада мидянлылар Юсупти Мысырда фараонның сарай хызметшиси Потифарға сатып жиберди. Ол сақшылардың басшысы еди.
1. Сол ўақытлары Яҳуда туўысқанларынан бөлинип, адулламлы Хира деген адамның қасына барып орналасты.
2. Яҳуда сол жерде Шуа деген қананлы бир адамның қызын ушыратып, оған үйленди.
3. Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды. Яҳуда оған Эр деп ат қойды.
4. Ҳаялы және ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм оған Онан деп ат қойды.
5. Ол тағы бир ул туўып, оның атын Шела деп қойды. Ол туўылғанда, Яҳуда Кезибте еди.
6. Яҳуда туңғышы Эрди бир қызға үйлендирди. Қыздың аты Тамара еди.
7. Яҳуданың туңғышы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақ адам болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның жанын алды.
8. Сонда Яҳуда Онанға: – Қәйинлик ўазыйпаңды орынлап, жеңгеңе үйлен ҳәм әжағаңның урпағын даўам еттир, – деди.
9. Бирақ Онан Тамарадан туўылған балалардың өзиники болмайтуғынын билетуғын еди. Сонлықтан ол әжағасының ҳаялы менен жатқанда, әжағасынан урпақ қалмасын деп, урығын жерге төгип жиберетуғын еди.
10. Оның бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақлық болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның да жанын алды.
11. Сонда Яҳуда келини Тамараға: – Әкеңниң үйине қайтып, улым Шела ержеткенше, сол жерде жесир болып жасай тур, – деди. Себеби Яҳуда: «Шела да әжағалары сыяқлы өлип қалар», – деп ойлайтуғын еди. Солай етип, Тамара әкесиниң үйине қайтты.
12. Арадан көп ўақыт өткеннен соң, Шуаның қызы, яғный Яҳуданың ҳаялы қайтыс болды. Азалаў мүддети тамам болғаннан соң, Яҳуда досты адулламлы Хира менен бирге Тимнаға, өзиниң қойларын қырқып атырған адамларға кетти.
13. Тамараға: «Қәйин атаң қойларын қырықтырыў ушын Тимнаға кетип баратыр», – деген хабар жетти.
14. Шела ержетсе де, Яҳуда Тамараны Шелаға ҳаяллыққа алып бермеген еди. Сонлықтан Тамара үстиндеги жесирлик кийимлерин шешип, жүзин жаўлық пенен жаўды да, Тимнаға баратуғын жол бойындағы Энайым дәрўазасының алдына барып отырды.
15. Яҳуда Тамараны көргенде, оны бузық ҳаял деп ойлады. Өйткени оның жүзи жабық еди.
16. Яҳуда жолдан ҳаял тәрепке бурылып келди де, оның өзиниң келини екенин билмей, оған: – Сениң менен жатайын, – деди. Ҳаял оған: – Мениң менен жатсаңыз, маған не бересиз, – деп сорады.
17. Яҳуда: – Сүриўимнен саған бир ылақ берип жиберемен, – деди. – Ылағыңызды жибергениңизше, кепилликке бир нәрсе бересиз бе? – деди ҳаял.
18. Яҳуда оннан: – Кепилликке не берейин? – деп сорады. Тамара оған: – Мөриңизди жиби менен ҳәм қолыңыздағы ҳасаңызды бериң, – деди. Яҳуда сол нәрселерди берип, оның менен жатты. Тамара оннан ҳәмиледар болды.
19. Тамара үйине қайтып келип, жүзиндеги жаўлығын шешип таслады да, және жесирлик кийимлерин кийип алды.
20. Сол арада Яҳуда кепилликке қалдырған нәрселерин қайтарып алыў ушын, адулламлы досты арқалы ҳаялға бир ылақ жиберди. Деген менен, достысы ҳаялды таба алмады.
21. Сонда достысы сол жердиң адамларынан: – Энайымда, жол шетинде бир бузық ҳаял бар еди, ол қаяқта? – деп сорады. Олар: – Бул жерде ондай ҳаял жоқ, – деп жуўап берди.
22. Достысы Яҳуданың жанына қайтып келип: – Ҳаялды таба алмадым. Сол жердиң адамлары да ол жерде ҳеш қандай бузық ҳаялдың болмағанын айтты, – деди.
23. Яҳуда: – Мейли, сол затлар ҳаялда қала берсин. Тек ҳеш кимге масқара болмасақ болғаны. Мен ылақты жиберген едим, бирақ сен ҳаялды таба алмадың, – деди.
24. Шама менен үш айдай ўақыт өткенде, Яҳудаға: «Келиниң Тамара бузықшылық ислепти, ол ҳәзир ҳәмиледар», – деген хабар жетти. Сонда Яҳуда: – Оны далаға алып шығып, жағып жибериңлер, – деди.
25. Тамараны далаға алып шыққанда, ол қәйин атасына: «Мен мына затлардың ийесинен ҳәмиледар болдым. Анықлап қараң, бул мөр, оның жиби ҳәм ҳаса кимдики?» – деп хабар жиберди.
26. Яҳуда затларды танып: «Ҳақыйқатлық ол тәрепте, себеби мен оны улым Шелаға алып бермедим», – деди. Соннан кейин, Яҳуда Тамара менен қайтып жақынласқан жоқ.
27. Тамараның туўыў ўақты келгенде, қарнында егиз бала барлығы мәлим болды.
28. Ол босанып атырған ўақытта, егизлердиң бири қолын сыртқа шығарды. Киндик шешеси баланың қолын услап: – Бул биринши болып туўылды, – деп оның билегине қырмызы жип байлап қойды.
29. Бирақ ол қолын ишке тартып алды ҳәм сол ўақытта оның сыңары туўылды. Сонда киндик шешеси: – Сен қалайынша тосқынлықты бузып өттиң? – деди. Сонлықтан оған Перес деп ат қойылды.
30. Соңынан билегине қырмызы жип байланған оның сыңары туўылды. Оған Зерах деп ат қойды.
1. Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды.
2. Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады.
3. Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди.
4. Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды.
5. Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди.
6. Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады. Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди.
7. Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған: – Мениң менен жат, – деди.
8. Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди: – Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды.
9. Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?
10. Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.
11. Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди.
12. Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап: – Мениң менен жат, – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.
13. Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде,
14. үй хызметшилерин шақырып, оларға: – Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым.
15. Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
16. Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды.
17. Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып: – Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды.
18. Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
19. Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди.
20. Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты. Бирақ Юсуп қамақта болғанда да,
21. Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти.
22. Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды.
23. Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.
1. Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр патшасының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр патшасына қарсы айып иследи.
2. Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып,
3. оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады.
4. Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.
5. Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди.
6. Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди.
7. Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен: – Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.
8. Олар: – Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди. Юсуп оларға: – Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.
9. Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып: – Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим.
10. Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти.
11. Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.
12. Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн.
13. Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң.
14. Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал.
15. Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.
16. Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди: – Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен.
17. Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.
18. Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн.
19. Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.
20. Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти.
21. Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды.
22. Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды.
23. Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.
1. Арадан еки жыл өткенде, фараон түс көрди. Түсинде ол Нил дәрьясының жағасында тур екен.
2. Дәрьядан шырайлы ҳәм семиз, жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады.
3. Соңынан дәрьядан сықылсыз ҳәм арық жети сыйыр шығып, дәрьяның жағасындағы алдынғы сыйырлардың жанына барып турды.
4. Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар шырайлы ҳәм семиз жети сыйырды жеп қойды. Сол ўақытта фараон оянып кетти.
5. Ол және уйықлап кетип, қайтадан түс көрди. Түсинде бир пақалда жети жақсы ҳәм толық масақ өсип тур екен.
6. Соңынан пуш ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты.
7. Бул пуш масақлар жақсы ҳәм толық масақларды жутып жиберди. Сол ўақытта фараон уйқысынан оянып кетип, буның түс екенин билди.
8. Азанда фараон тынышсызланып, Мысырдың барлық ўәлий руўханийлери менен данышпанларын шақыртып алды да, оларға көрген түслерин айтып берди. Деген менен, олардың ҳеш бири фараонның түслерин жорый алмады.
9. Сонда бас шарап қуйыўшы фараонға былай деди: – Бүгин мен өз айыбымды мойынлаўға мәжбүрмен.
10. Бир күни сиз өзиңиздиң қулларыңыз болған маған ҳәм бас нанбайға ашыўланып, бизлерди сақшылардың басшысының үйине, қамақханаға қаматқан едиңиз.
11. Бир күни түнде екеўимиз де түс көрдик. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди.
12. Сол жерде бизлер менен бирге сақшылардың басшысының қулы болған, бир еврей жигит бар еди. Бизлер түслеримизди оған айтып бергенимизде, ол жорып берди.
13. Ҳәмме нәрсе ол жорығандай болды: мен өз хызметиме қайттым, ал нанбай дарға асылды.
14. Сонда фараон Юсупке адам жиберип, оны тезлик пенен қамақханадан алдырды. Юсуп сақал-муртын алып, кийимлерин алмастырғаннан кейин, фараонның алдына келди.
15. Фараон Юсупке: – Мен бир түс көрдим, бирақ оны ҳеш ким жорый алмады. Еситиўимше, сен түс жорый алады екенсең, – деди.
16. Юсуп фараонға: – Түс жорыў мениң қолымда емес. Бирақ сизиң ийгилигиңиз ушын, Қудайдың Өзи жорыйды, – деди.
17. Сонда фараон Юсупке былай деди: – Түсимде Нил дәрьясының жағасында турған екенмен.
18. Сол ўақытта дәрьядан семиз ҳәм шырайлы жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады.
19. Соңынан дәрьядан арық, сықылсыз ҳәм ети сүйегине жабысқан жети сыйыр шықты. Мен пүткил Мысыр елинде бундай арық сыйырларды ҳеш көрмеген едим.
20. Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар семиз сыйырларды жеп қойды.
21. Бирақ семиз сыйырлар олардың қарнына түссе де, ҳеш нәрсе болмағандай, арық сыйырлар бурынғысынша арық болып қала берди. Соннан кейин, мен оянып кеттим.
22. Кейин мен басқа түс көрдим. Түсимде бир пақалда толық ҳәм жақсы жети масақ өсип шыққанын көрдим.
23. Соңынан пуш, жиңишке ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты.
24. Жиңишке масақлар жақсы жети масақты жутып жиберди. Мен түслеримди ўәлий руўханийлерге айтып бердим, бирақ олардың ҳеш бири жорый алмады.
25. Юсуп фараонға былай деди: – Фараон, сизиң еки түсиңиз де бир мәнисти аңлатады. Қудай не ислейжағын сизге билдирипти.
26. Жети шырайлы сыйыр – жети жыл. Жети жақсы масақ та – жети жыл. Бул түслердиң мәниси бир.
27. Олардан соң шыққан арық ҳәм сықылсыз жети сыйыр менен шығыс самалы кептирген жети жиңишке масақ жети жыл ашлық болатуғынын билдиреди.
28. Мен жаңа айтқанымдай, Қудай не ислейжағын сизге көрсетипти.
29. Пүткил Мысыр жеринде жети жыл молшылық болады.
30. Ал оннан кейин болса, молшылық жылларын умыттыратуғын жети жыл ашлық болады. Бул ашлық жерди жүдетип жибереди.
31. Кейин болатуғын ашлық соншелли аўыр болғанлықтан, бурын болған молшылықты умыттырып жибереди.
32. Сизиң бир мәнистеги түсти еки рет көриўиңиздиң мәниси – Қудайдың анық қарар еткенин ҳәм буны тез арада иске асыратуғынын билдиреди.
33. Енди сиз ақыллы ҳәм дана бир адамды таўып, оған Мысырды басқарыўды тапсырың.
34. Және де, сиз ел үстинен қадағалаўшыларды тайынлап, Мысыр жериндеги молшылықтың жети жылында өнимниң бестен бир бөлегин жыйнатың.
35. Ол адамлар келешектеги молшылық жылларының пүткил азығын топлап, қалалардағы сизге тийисли телеклерге жыйнап сақласын.
36. Жети жыллық ашлық ўақтында бул ғәлле қорлары Мысырға азық болып, ел ашлықтан қырылмайды.
37. Бул усыныс фараонға ҳәм оның барлық хызметкерлерине мақул түсти.
38. Фараон хызметкерлерине: – Бизлер Қудайдың Руўхына ийе болған бул адамнан басқа биреўди таба аламыз ба? – деди.
39. Соңынан ол Юсупке былай деди: – Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген екен, демек, сеннен ақыллы ҳәм дана адам болмағаны.
40. Мен сарайымды басқарыўды саған тапсыраман, пүткил халқым сениң буйрықларыңа қулақ асатуғын болады. Мен тахтым менен ғана сеннен үстин боламан.
41. Ҳәзирден баслап, мен сени пүткил Мысыр үстинен ҳүкимдар етип тайынлайман.
42. Соңынан фараон бармағындағы мөр жүзигин шешип алып, Юсуптиң бармағына тақты. Оған ҳасыл зығыр шапан кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты.
43. Фараон Юсупти өзинен кейинги екинши дәрежели арбаға миндирип, оның алдында: «Тәжим етиңлер!» – деп жар салыўды буйырды. Солай етип, фараон Юсупти пүткил Мысыр ели үстинен ҳүкимдар етип қойды.
44. Соңынан фараон Юсупке және: – Фараон – мен боламан, бирақ сениң рухсатыңсыз пүткил Мысырда ҳеш ким тырп ете алмайды, – деди.
45. Фараон Юсупке Сафнат-Панеах деген ат қойып, оны Он қаласындағы руўханий Потифераның қызы Асенатқа үйлендирди. Солай етип, Юсуп Мысыр елин аралап шықты.
46. Юсуп Мысыр патшасы фараонның хызметине тайынланғанда отыз жасында еди. Юсуп фараонның алдынан кетип, пүткил Мысыр жерин аралаўға шықты.
47. Жети жыллық молшылық ўақтында жер мол өним берди.
48. Юсуп Мысырда жети жыл ишинде өнген өнимлердиң ҳәммесин жыйнап, қалаларда сақлады. Ҳәр бир қала әтирапындағы атызларда өнген өнимлерди сол қалаға жыйнап қойды.
49. Юсуп теңиз қумындай мол ғәлле жыйнағанлықтан, оны өлшеўди тоқтатты. Өйткени ғәлле өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп еди.
50. Ашлық жыллары басланбастан бурын Он қаласының руўханийи Потифераның қызы Асенат Юсупке еки ул туўып берди.
51. Юсуп: «Қудай маған барлық қыйыншылықларымды ҳәм әкемниң үйин умыттырды», – деп, туңғыш улының атын Менашше деп қойды.
52. Юсуп екинши улын Эфрайым* деп атап: «Қыйыншылық көрген елимде Қудай мени өсип- өндирди», – деди.
53. Мысырда жети жыллық молшылық та тамамланды.
54. Юсуптиң айтқанындай, жети жыллық ашлық басланды. Ҳәмме еллерде ашлық болса да, пүткил Мысыр елинде азық-аўқат болды.
55. Пүткил Мысыр ели аш бола баслағанда, халық фараонға жалбарынып, нан сорады. Сонда фараон оларға: «Юсупке барыңлар, ол сизлерге не десе, соны ислеңлер», – деди.
56. Ашлық пүткил елди жайлап алғанда, Юсуп телеклерди ашып, мысырлыларға ғәлле сата баслады. Себеби Мысырда ашлық ҳәўиж алған еди.
57. Юсуптен ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға барлық еллерден адамлар келетуғын еди. Өйткени пүткил жер жүзинде ашлық күшейген еди.
1. Яқып Мысырда ғәлле бар екенин билгенде, улларына: – Неге бир-бириңизге қарап отырсызлар?
2. Мен Мысырда ғәлле бар екенин еситтим. Өлмей тири қалыўымыз ушын, сизлер ол жаққа барып, ғәлле сатып алып келиңлер, – деди.
3. Солай етип, Юсуптиң он әжағасы ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға кетти.
4. Бирақ Яқып Юсуптиң иниси Беняминди олар менен бирге жибермеди. Себеби ол улының бир бәлеге жолығыўынан қорқатуғын еди.
5. Солай етип, ғәлле сатып алыўға келгенлер менен бирге Израилдың уллары да Мысырға келди. Өйткени Қанан жеринде де ашлық болып атырған еди.
6. Юсуп Мысыр елиниң басшысы болып, елдеги пүткил халыққа ғәлле сататуғын еди. Сонда Юсуптиң ағалары келип, оның алдында маңлайлары жерге тийгенше ийилип, тәжим етти.
7. Юсуп ағаларын көрип, оларды таныды. Бирақ өзин оларды танымайтуғындай қылып көрсетип, қатал сөйледи ҳәм олардан: – Қаяқтан келдиңлер? – деп сорады. Олар Юсупке: – Бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын, Қанан жеринен келдик, – деп жуўап берди.
8. Юсуп ағаларын таныса да, ағалары оны танымады.
9. Юсуп олар ҳаққында көрген түслерин еслеп, оларға: – Сизлер жансызларсыз! Бул елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
10. Олар Юсупке: – Яқ, мырзамыз! Сизиң қулларыңыз болған бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын келдик.
11. Бизлер ҳәммемиз бир әкениң улларымыз. Сизиң қулларыңыз болған бизлер ҳадал адамлармыз, жансыз емеспиз, – деди.
12. Юсуп оларға және: – Яқ, сизлер елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
13. Олар: – Сизиң қулларыңыз болған бизлер он еки туўысқанбыз. Ҳәммемиз Қанан жеринде жасайтуғын бир әкениң улларымыз. Ең кишкенемиз ҳәзир әкемиздиң жанында, ал басқа биреўи жойтылып кетти, – деди.
14. Юсуп оларға былай деди: – Әне, айтқанымдай, сизлер жансызларсыз.
15. Енди сизлер сынаўдан өтесиз. Егер генже иниңиз бул жерге келмесе, фараонның басы менен ант ишемен, сизлер бул жерден кетпейсизлер.
16. Араңыздан бириңизди жибериң, ол барып, иниңизди алып келсин. Ал қалғанларыңыз қамақта турасызлар. Сөзлериңиздиң ҳақыйқат ямаса жалған екенлигин тексерип көремиз. Егер сөзлериңиз жалған болса, фараонның басы менен ант ишемен, сизлер жансызларсыз.
17. Солай етип, Юсуп ағаларын үш күнге қаматып қойды.
18. Үшинши күни оларға: – Мен Қудайдан қорқатуғын адамман. Егер сизлер былай ислесеңиз, бир қасық қаныңыздан кешемен:
19. өзлериңиздиң ҳадал адамлар екенлигиңизди дәлиллеўиңиз ушын, араңыздағы бириңиз қамақта қалсын, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып кетиңлер.
20. Соңынан кишкене иниңизди маған алып келиңлер. Сонда сөзлериңиздиң ҳақыйқый екенлиги дәлилленип, өлимнен аман қаласызлар, – деди. Олар буған келисим берди.
21. Олар бир-бирине: «Шынында да, бизлер инимизге ислеген исимиз ушын жазаланып атырмыз. Ол бизлерге жалбарынғанда, оның қалай қыйналғанын көрсек те, оны тыңламадық. Сол себептен бизлердиң басымызға да усы қыйыншылық түсти», – дести.
22. Рубен оларға: – «Балаға жаманлық ислемеңлер», – деп сизлерге ескертпеген бе едим? Бирақ сизлер тыңламадыңлар. Мине, ҳәзир оның қанының қуны бизлерден талап етилип атыр, – деди.
23. Юсуптиң өзлерин түсинетуғынын ағалары билмеди, себеби Юсуп олар менен дилмаш арқалы сөйлескен еди.
24. Юсуп ағаларының жанынан кетип, жылап жиберди. Соңынан қайтып келип, олар менен сөйлести ҳәм араларынан Шимонды тутқынға алып, басқаларының көз алдында байлатып қойды.
25. Юсуп ағаларының қапларын ғәллеге толтырыўды, гүмислерин ҳәр бириниң қабына қайтарып салыўды ҳәм жол азығын бериўди буйырды. Айтылған сөз орынланды.
26. Юсуптиң ағалары ғәллелерин ешеклерине артып, жолға түсти.
27. Түнеген жеринде олардың биреўи ешегине жем берейин деп қаптың аўзын ашты ҳәм өзиниң гүмисиниң қаптың аўзында турғанын көрди.
28. Ол туўысқанларына: – Гүмисимди қайтарып берипти. Мине, ол қабымның ишинде екен, – деди. Сонда олардың жүреклери суўлап, қалтырасып, бир-бирине: – Қудайдың бизлерге бул не қылғаны? – деди.
29. Олар Қананға, әкеси Яқыпқа қайтып келип, басларынан кеширгенлериниң ҳәммесин айтып берип, былай деди:
30. – Сол елдиң басшысы бизлер менен қатал сөйлесип, бизлерди елге келген жансызлар деп есаплады.
31. Бизлер оған: «Бизлер ҳадал адамлармыз, жансызлар емеспиз.
32. Бизлер он еки туўысқан болып, бир әкениң улларымыз. Бир инимиз жойтылып кетти, ал кишкене инимиз ҳәзир Қананда, әкемиздиң жанында қалды», – дедик.
33. Сол елдиң басшысы бизлерге: «Сизлердиң ҳадал адамлар екенлигиңизди мен мынадан билемен: туўысқаныңыздың биреўин қасымда қалдырың да, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып, кете бериңлер.
34. Ал генже иниңизди маған алып келесизлер. Мен сонда сизлердиң жансыз емес, ал ҳадал адамлар екенлигиңизди билемен ҳәм туўысқаныңызды сизлерге қайтарып беремен. Сонда сизлер бул елде саўда ислей аласызлар», – деди.
35. Олар қапларын босатып атырып, ҳәр қайсысы өз қабының ишинен түйиўли гүмисин таўып алды. Түйиўли гүмислерин көргенде, олардың өзлери де, әкеси де қорқып кетти.
36. Сонда Яқып улларына: – Сизлер мени перзентлеримнен айырдыңлар: Юсуп жоқ, Шимон жоқ, енди Беняминди де алып кетпекшисизлер. Маңлайым буншелли қара болмаса! – деди.
37. Рубен әкесине: – Егер мен Беняминди қайтарып әкелмесем, мениң еки улымды өлтире ғой. Беняминди маған тапсыр, мен оны саған қайтарып әкелемен, – деди.
38. Бирақ Яқып: – Улымды сизлер менен жибермеймен, өйткени ағасы өлип, ол жалғыз қалды. Егер ол жолда бир бәлеге жолықса, сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер, – деди.
1. Қанан жериндеги ашлық күшли еди.
2. Мысырдан алып келинген ғәлле таўысылғаннан кейин, Яқып улларына: – Және барып, аз-маз азық-аўқат сатып әкелиңлер, – деди.
3. Яҳуда әкесине былай деди: – Ол адам бизлерге: «Егер иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбеңлер», – деп қатаң айтқан еди.
4. Егер инимизди бизлер менен бирге жиберсең, барып, саған азық-аўқат алып келемиз.
5. Егер жибермесең, бизлер бара алмаймыз, себеби ол адам: «Иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген еди.
6. Израил: – Не ушын сизлер ол адамға және бир иниңиздиң бар екенин айтып, мениң басымды бәлеге қойдыңыз? – деди.
7. Олар әкесине: – Ол адам бизлерден өзлеримиз ҳәм туўысқанларымыз ҳаққында шуқлап сорап: «Әкеңиз еле тири ме? Басқа туўысқаныңыз бар ма?» – дегенде, бизлер оның сораўларына жуўап бердик. Оның бизлерге: «Иниңизди алып келиң», – деп айтатуғынын қаяқтан билиппиз? – деди.
8. Яҳуда әкеси Израилға: – Баланы мениң менен жибер, кетейик. Сонда сен де, бизлер де, балаларымыз да өлмей, тири қаламыз.
9. Мен бала ушын басым менен жуўап беремен, оны меннен талап етесең. Егер мен оны алдыңа қайтарып әкелмесем, онда бир өмир сениң алдыңда айыпкер боламан.
10. Егер ўақытты соза бермегенимизде, ҳәзирге дейин еки рет барып келген болар едик, – деди.
11. Ақырында Израил улларына былай деди: – Мейли, онда былай ислең: өзлериңиз бенен бирге бул жердиң ең жақсы өнимлеринен алып, ол адамға саўғаға аз-маз бальзам, аз-маз пал ҳәм хош ийисли шайыр, ладан, писте, бадам алып барыңлар.
12. Қапларыңыздың аўзында қайтып келген гүмислерди қайтарып бериўиңиз ушын, еки есе гүмис алып кетиңлер. Мүмкин, алжасық болған шығар.
13. Иниңизди алып, сол адамға қайтып барыңлар.
14. Қүдирети күшли Қудай ол адамның жүрегине сизлерге деген реҳим берсин, ол сизлердиң сол туўысқаныңыз бенен Беняминди сизлерге қайтарып берсин. Ал маған келсек, егер мен баласыз қалатуғын болсам, мейли, баласыз қала қояйын.
15. Солай етип, туўысқанлар саўғаларды, еки есе гүмисти ҳәм Беняминди алып, Мысырға қарай жолға шықты ҳәм Юсуптиң алдына келди.
16. Юсуп олардың жанындағы Беняминди көргенде, өзиниң үй басқарыўшысына: – Бул адамларды мениң үйиме алып бар да, мал сойып, аўқат таярла. Өйткени олар түски аўқатты мениң менен бирге жейди, – деди.
17. Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай ислеп, оларды Юсуптиң үйине алып барды.
18. Туўысқанлар өзлериниң Юсуптиң үйине апарылғанын көргенде қорқып кетип, бир-бирине: «Бурын қапларымызға қайтарып салынған гүмисти сылтаўлап, ол бизлерди усы жерге алып келген шығар. Ол бизлерге топылып, өзлеримизди қул етпекши ҳәм ешеклеримизди тартып алмақшы шығар», – дести.
19. Олар қапының кирер аўзында Юсуптиң үй басқарыўшысына жақынлап барып:
20. – Мырзамыз, бизлер буннан алдын азық-аўқат сатып алыў ушын бул жерге келген едик.
21. Қайтарсын түнеген жеримизде қапларымызды ашып қарағанымызда, ҳәр биримиз гүмисимиздиң басы бузылмай, қаптың аўзында турғанын көрип, ҳайран қалдық. Бизлер оны қайтарып алып келдик.
22. Буннан тысқары, бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын қосымша гүмис алып келдик. Ал сол гүмисимизди қапларымызға ким салып қойғанын бизлер билмеймиз, – деди.
23. Үй басқарыўшысы: – Қәўетерленбеңлер ҳәм қорқпаңлар. Қапларыңыздағы бул ғәзийнени сизлердиң ҳәм әкеңиздиң Қудайы қапларыңызға салып кетипти. Мен гүмисиңизди алдым, – деди. Соңынан ол Шимонды олардың алдына алып келди.
24. Үй басқарыўшы оларды Юсуптиң үйине алып келип, аяқларын жуўыў ушын суў ҳәм ешеклерине жем берди.
25. Туўысқанлар түске, Юсуптиң келиўине саўғаларын таярлап қойды. Себеби өзлериниң сол жерде аўқатланатуғынын еситкен еди.
26. Юсуп үйге келгенде, олар саўғаларын ишке әкелип, Юсупке берди ҳәм оның алдында жерге дейин ийилип, тәжим етти.
27. Юсуп олардан ҳал-аўҳал сорап болғаннан кейин: – Өзлериңиз айтқан ғарры әкеңиз аман-саў жүр ме? Ол еле тири ме? – деди.
28. – Сизиң қулыңыз болған әкемиз аман-саў жүр, ол еле тири, – деп олар ҳүрмет пенен ийилип, тәжим етти.
29. Юсуп көз таслап, өзи менен бир анадан туўылған иниси Беняминди көргенде: – Бул маған айтқан генже иниңиз бе? – деп сорады ҳәм Беняминге: – Қудай саған мийримин түсирсин, улым, – деди де,
30. дәрҳал сол жерден шығып кетти. Өйткени туўысқанын көргенде, оның жүреги елжиреп кеткен еди. Юсуп бөлмесине кирип, сол жерде жылап алды.
31. Ол бетин жуўғаннан кейин сыртқа шықты да, өзин қолға алып: – Аўқат әкелинсин! – деп буйырды.
32. Юсупке бөлек, аға-инилерине бөлек ҳәм Юсуп пенен аўқатланып отырған мысырлыларға бөлек дастурхан жайылды. Себеби мысырлылар еврейлер менен бирге аўқат жемейтуғын еди, бул олар ушын мәкириў есапланатуғын еди.
33. Туўысқанлары Юсуптиң қарсы алдында үлкенинен кишисине дейин, жасы бойынша отырды. Олар таң қалысып, бир-бирине қарады.
34. Юсуптиң дастурханынан оларға аўқат жиберилди. Сонда Беняминниң пайы басқаларға қарағанда бес есе артық болды. Олар Юсуп пенен бирге ишип, кеўил көтерип отырды.
1. Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: – Бул адамлардың қапларын өзлери көтере алғанша азық-аўқатқа толтыр ҳәм ҳәр бириниң гүмисин қабының аўзына сал.
2. Ең генжесиниң қабының аўзына ғәлле ушын төленген гүмисине қоса, мениң гүмис кесемди де салып қой. Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай етип иследи.
3. Ертеңине таң атыўдан, сол адамлар ешеклери менен бирге жолға атландырылды.
4. Олар қаладан узақлап кетпей турып, Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: – Бар, сол адамлардың изинен қуў. Жетип алғаныңнан кейин, оларға былай деп айт: «Не ушын сизлер жақсылыққа жаманлық қайтардыңыз?
5. Не ушын хожайынымның гүмис кесесин урлап кеттиңиз? Хожайыным оннан ишип, оны пал ашыў ушын қолланады-ғо. Сизлер жаман ис иследиңлер».
6. Үй басқарыўшысы ағалы-инилилердиң изинен қуўып жетип, оларға усы гәплерди айтты.
7. Ағалы-инилилер оған: – Мырзамыз, не ушын бундай сөзлерди айтып турсыз? Сизиң қулларыңыз болған бизлер бундай ислерди ислеўден аўлақпыз.
8. Ҳәтте, бизлер қапларымыздың аўзынан тапқан гүмисти Қанан жеринен сизге қайтарып әкелип берген едик-ғо. Қалай бизлер хожайыныңыздың үйинен гүмис ямаса алтын урлаймыз?
9. Гүмис кесе қулларыңыздың қайсы биринен табылса, сол өлтирилсин, ал қалғанларымыз хожайынымызға қул болайық, – деди.
10. Үй басқарыўшысы: – Мейли, сизлер айтқандай болсын. Кесе кимнен табылса, сол мениң қулым болады. Ал қалғанларыңыз айыпсыз боласыз, – деди.
11. Олар дәрҳал қапларын жерге түсирип, аўызларын ашты.
12. Үй басқарыўшы үлкенинен баслап, кишисине дейин, ҳәммесиниң қапларын тексерип шықты. Кесе Беняминниң қабынан табылды.
13. Туўысқанлар қайғыдан кийимлерин жыртты ҳәм жүклерин ешеклерине артып, қалаға қайтып барды.
14. Яҳуда ҳәм туўысқанлары Юсуптиң үйине келгенде, ол еле үйде еди. Олар Юсуптиң алдында жерге жығылды.
15. Юсуп оларға: – Неге бундай иследиңиз? Мендей адамның пал ашып, билип алатуғынын билмедиңиз бе? – деди.
16. Сонда Яҳуда: – Мырзамызға бизлер не айта аламыз? Не деп түсиндире аламыз? Өзлеримизди қалай ақлай аламыз? Қудай қулларыңыздың айыбын әшкара етти. Бизлер де, кесе табылған адам да сизге қул боламыз, – деди.
17. Юсуп: – Яқ, мен бундай ислеўден аўлақпан. Кесе кимнен табылған болса, тек сол маған қул болады. Ал сизлер аман-есен әкеңиздиң алдына қайта бериң, – деди.
18. Сонда Яҳуда Юсупке жақынырақ келип былай деди: – Мырзам, маған бир сөз айтыўға рухсат етиң. Сиз фараон менен бирдей бийликке ийесиз, қулыңызға ашыўланбаң.
19. Мырзам, сиз қулларыңыз болған бизлерден: «Әкеңиз ямаса басқа туўысқаныңыз бар ма?» – деп сорағаныңызда,
20. бизлер сизге: «Ғарры әкемиз ҳәм оның қартайғанда көрген генже улы бар. Оның туўысқаны өлип, анасынан жалғыз қалған еди ҳәм әкемиз оны жақсы көреди», – деген едик.
21. Сонда сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Оны маған алып келиң, бир көрейин», – деген едиңиз.
22. Бирақ бизлер сизге: «Бала әкесин таслап кете алмайды. Егер әкеси оннан айырылса, өлип қалады», – деген едик.
23. Сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Егер генже иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген едиңиз.
24. Бизлер сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымызда, сизиң сөзлериңизди оған айтып бердик.
25. Әкемиз: «Және барып, бизлерге аз-маз азық-аўқат сатып алыңлар», – дегенде,
26. бизлер оған: «Бара алмаймыз, егер генже инимиз бизлер менен бирге барса ғана, барамыз. Генже инимиз бизлер менен бирге болмаса, ол адамның жүзин көре алмаймыз», – дедик.
27. Сонда қулыңыз болған әкемиз бизлерге: «Ҳаялым Раҳиланың маған еки ул туўып бергенин билесиз.
28. Биреўинен айырылдым. Оны бир ҳайўан тилким-тилким етип таслаған, соннан бери оны қайтып көрмедим.
29. Егер сизлер буны да алып кетсеңиз ҳәм ол бир бәлеге жолықса, онда сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер», – деди.
30. Енди мен сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымда, оның жанынан артық көретуғын улы қасымызда болмаса,
31. ол улының жоқ екенин көрип, өлип қалады. Сонда сизиң қулыңыз болған бизлер қулыңыз болған әкемиздиң ғарры басын сол қайғы менен өлилер мәканына жиберемиз.
32. Сизиң қулыңыз болған мен бул бала ушын басым менен жуўап беремен деп, әкеме: «Егер оны саған қайтарып алып келмесем, онда мен бир өмир сениң алдыңда айыпкер болайын», – дедим.
33. Сонлықтан енди баланың орнына сизге мен қул болып қалайын. Ал бала туўысқанлары менен бирликте қайта берсин.
34. Себеби бала жанымда болмаса, әкеме қалай қайтып бараман? Мен әкемниң басына түсетуғын бахытсызлыққа шыдай алмайман.
1. Сонда Юсуп хызметшилердиң алдында өзин артық тута алмай: – Ҳәммени бул жерден шығарып жибериң! – деп бақырды. Солай етип, Юсуп туўысқанларына өзин танытқанда, оның жанында ҳеш ким жоқ еди.
2. Оның даўыслап жылағаны соншелли, мысырлылар да оның жылағанын еситти. Бул ҳаққында хабар фараонның сарайына да жетип барды.
3. Юсуп туўысқанларына: – Мен Юсуппен! Әкем еле тири ме? – деди. Бирақ туўысқанлары оның алдында албырап, не деп жуўап берерин билмеди.
4. Юсуп оларға: – Маған жақынырақ келиңлер, – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти: – Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен!
5. Мени бул жерге сатып жибергениңиз ушын қыйналмаң ҳәм өзлериңизди айыпламаң. Қудай адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди.
6. Елде еки жылдан бери ашлық болмақта, және бес жыл даўамында жер де егилмейди, зүрәәт те жыйналмайды.
7. Қудай жер жүзинде урпақларыңызды сақлап қалыў ушын ҳәм таң қаларлық жол менен жанларыңызды қутқарыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди.
8. Мени бул жерге сизлер жибергениңиз жоқ, ал Қудай жиберди. Ол мени фараонға кеңесгөй, оның сарайына хожайын ҳәм пүткил Мысыр елине басшы етип қойды.
9. Сизлер дәрҳал әкемниң алдына барың да, оған улыңыз Юсуп: «Қудай мени пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. Иркилмей, жаныма кел.
10. Сен балаларың, ақлықларың, сүриў ҳәм падаларың, пүткил мал-мүлкиң менен бирликте Гошен жерине орналасып, мениң жанымда боласаң.
11. Сол жерде мен сени бағаман, өйткени ашлық және бес жыл даўам етеди. Болмаса сен, хожалығың ҳәм саған тийисли ҳәмме нәрсе набыт болады», – деп айтып атыр деңлер.
12. Соңынан ол туўысқанларына және: – Мине, сизлер де, иним Бенямин сен де өз көзлериңиз бенен көрип турғаныңыздай, сизлерге бул сөзлерди айтып турған мен – ҳақыйқаттан да, Юсуп боламан.
13. Мысырда мениң қаншелли атақ-абырайға ийе екенимди ҳәм өзлериңиз көрген нәрселердиң ҳәммесин әкеме айтып бериң. Әкемди дәрҳал бул жерге алып келиң, – деди.
14. Соңынан Юсуп иниси Беняминниң мойнынан қушақлап жылады. Бенямин де оны қушақлап жылады.
15. Юсуп барлық ағаларын да сүйип, оларды қушақлап жылады. Кейин туўысқанлары оның менен сөйлесе баслады.
16. Юсуптиң туўысқанлары келгени ҳаққында хабар фараонның сарайына жетип барғанда, фараон ҳәм оның хызметшилери буған қуўанды.
17. Фараон Юсупке былай деди: «Туўысқанларыңа айт, олар ешеклерине жүклерин артып, Қананға қайтсын.
18. Әкесин ҳәм хожалықларын алып, усы жерге қайтып келсин. Мен оларға Мысырдың ең жақсы жерлерин беремен, ишип- жейтуғыны мол болады».
19. Және де, оларға былай деп айтыўыңды да буйыраман: «Балалары ҳәм ҳаяллары ушын Мысырдан арбалар алып кетсин ҳәм әкеңизди бул жерге алып келсин.
20. Қалып кеткен затларыңызға ашынбасын, пүткил Мысырдың ең жақсы затлары олардики болады».
21. Израилдың уллары айтылғанларды иследи. Юсуп фараонның буйрығы бойынша оларға арбалар ҳәм жол ушын азық берди.
22. Юсуп олардың ҳәр бирине бир шапаннан, ал Беняминге үш жүз шекел гүмис пенен бес шапан берди.
23. Ол әкесине арнап, он ешекке Мысырдың ең жақсы затларын жүкледи ҳәм әкесиниң жолы ушын, он машаға дән, нан ҳәм азық-аўқат артып жиберди.
24. Юсуп туўысқанларын жолға шығарып салып атырып: – Жолда жәнжеллесип жүрмеңлер, – деди.
25. Юсуптиң туўысқанлары Мысырдан шығып, Қанан елине, әкеси Яқыптың жанына қайтып келди.
26. Олар әкесине: – Юсуп тири екен, ол ҳәзир пүткил Мысыр елин басқарып тур, – деди. Бирақ Яқыптың жүреги бүлк етпеди ҳәм оларға исенбеди.
27. Олар әкесине Юсуптиң өзлерине айтқан барлық сөзлерин айтып берди. Яқып өзин көширип әкелиў ушын Юсуптиң жиберген арбаларын көргенде, руўхына жан кирди.
28. Сонда Израил: – Енди исенемен, улым Юсуп еле тири екен! Өлмесимнен бурын барып, оны көретуғын болдым, – деди.
1. Солай етип, Израил өзиниң барлық мал-мүлкин алып, жолға шықты. Беер-Шебаға жетип келгенде, әкеси Ысақтың Қудайына арнап қурбанлықлар шалды.
2. Қудай түнде Израилға аян берип: – Яқып, Яқып! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
3. Қудай оған былай деди: – Мен Қудайман, әкеңниң Қудайыман. Сен Мысырға барыўдан қорқпа. Мен ол жерде сениң урпақларыңнан уллы халық жаратаман.
4. Мен сениң менен бирге Мысырға бараман ҳәм урпақларыңды усы жерге сөзсиз қайтарып алып келемен. Қайтыс болғаныңда, Юсуп өз қоллары менен көзлериңди жабады.
5. Соңынан Яқып Беер-Шебадан жолға шықты. Израилдың уллары әкеси Яқыпты, балаларын ҳәм ҳаялларын фараон жиберген арбаларға мингизип, алып кетти.
6. Олар малларын ҳәм Қанан жеринде жыйнаған пүткил мал- мүлкин алып, Мысырға келди. Яқып пенен оның пүткил урпақлары бирге еди.
7. Яқып өзи менен бирге улларын, қызларын, ақлықларын, яғный пүткил урпақларын алып, Мысырға көшип келди.
8. Израилдың, яғный Яқыптың Мысырға алып келген улларының ҳәм урпақларының атлары төмендегише: Яқыптың туңғышы – Рубен.
9. Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
10. Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы ҳаялынан туўылған Шаул.
11. Лебийдиң уллары: Гершон, Қоҳат, Мерарий.
12. Яҳуданың уллары: Эр, Онан, Шела, Перес ҳәм Зерах. Бирақ Эр менен Онан Қананда қайтыс болған еди. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
13. Иссахардың уллары: Тола, Пуўа, Иоб ҳәм Шимрон.
14. Зебулонның уллары: Серед, Элон ҳәм Яхлеел.
15. Булар Леаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Леа оларды ҳәм қызы Динаны Паддан-Арамда туўған еди. Яқыптың Леа арқалы тараған урпақлары барлығы болып отыз үш еди.
16. Гадтың уллары: Сифйон, Хаггий, Шуний, Эсбон, Эрий, Ародий ҳәм Арелий.
17. Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қарындасы Серах. Берияның уллары: Хебер ҳәм Малкиел.
18. Булар Лабанның қызы Леаға берген шорысы Зилпаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар барлығы он алты еди.
19. Яқыптың ҳаялы Раҳиланың уллары Юсуп ҳәм Бенямин еди.
20. Мысырда Юсуп Менашше ҳәм Эфрайым деген еки уллы болды. Юсупке оларды Он қаласының руўханийи болған Потифераның қызы Асенат туўып берди.
21. Беняминниң уллары: Бела, Бехер, Ашбел, Гера, Нааман, Эхий, Рош, Муппим, Хуппим ҳәм Ард.
22. Булар Раҳиланың Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси болып он төрт еди.
23. Данның улы: Хушим.
24. Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шиллем.
25. Булар Лабанның қызы Раҳилаға берген шорысы Билҳаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси жетеў еди.
26. Яқыптың улларының ҳаялларын қоспағанда, Яқыптың урпағынан болған ҳәм оның менен бирге Мысырға келгенлердиң саны ҳәммеси болып алпыс алты адам еди.
27. Юсуптиң Мысырда туўылған еки улы менен бирликте Мысырға көшкен Яқыптың хожалығы ҳәммеси болып жетпис адам еди.
28. Яқып Гошен жеринде көрисетуғынын айтыў ушын Юсупке алдын ала Яҳуданы жиберди. Олар Гошен жерине жетип келгенде,
29. Юсуп өзиниң арбасын жегип, әкеси Израилды көриў ушын, Гошенге барды. Юсуп әкесин көре сала, оны мойнынан қушақлап, узақ жылады.
30. Израил Юсупке: – Тири екениңди өз көзим менен көрдим, енди өлсем де, әрманым жоқ, – деди.
31. Юсуп туўысқанларына ҳәм әкесиниң үй-ишиндеги адамларға былай деди: – Мен фараонға барып былай деймен: «Қанан жеринде жасаған туўысқанларым ҳәм әкемниң үй-ишиндеги адамлар маған келди.
32. Олар шопанлар болып, шарўашылық пенен шуғылланады. Сонлықтан олар сүриўлерин, падаларын ҳәм барлық мал-мүлкин өзлери менен бирге алып келген».
33. Егер фараон сизлерди шақырып: «Кәсип-кәриңиз не?» – деп сораса,
34. сизлер: «Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де бала ўақтымыздан бери шарўашылық пенен шуғылланамыз», – деп айтыңлар. Сонда сизлерге Гошен жерине орналасыўыңызға рухсат етиледи. Себеби мысырлылар шопанлардан жеркенеди.
1. Юсуп фараонға барып: – Әкем ҳәм туўысқанларым сүриўлери, падалары ҳәм барлық мал- мүлки менен Қанан жеринен келди. Олар ҳәзир Гошен жеринде, – деп хабарлады.
2. Кейин Юсуп әжағаларының ишинен бесеўин таңлап алып, фараонның алдына алып келди.
3. Фараон Юсуптиң ағаларынан: – Кәсип-кәриңиз не? – деп сорады. Олар былай деп жуўап берди: – Сизиң қулларыңыз болған бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы шопанбыз.
4. Бизлер бул елге ўақытша жасаў ушын келдик. Қанан жеринде күшли ашлық болып, малларымыз жайылатуғын өрис қалмады. Рухсат етсеңиз, Гошен жерине орналасайық.
5. Сонда фараон Юсупке: – Әкең ҳәм туўысқанларың саған келипти.
6. Мысыр жери сениң ықтыярыңда. Оларды елдиң ең жақсы жерине орналастыр. Олар Гошен жеринде жасасын. Егер олардың арасында уқыплы адамлар бар болса, оларды мениң шарўам үстинен бақлаўшы етип қой, – деди.
7. Кейин Юсуп әкеси Яқыпты фараонның алдына апарды. Яқып фараонға пәтиясын берди.
8. Фараон Яқыптан: – Жасыңыз нешеде? – деп сорады.
9. Яқып оған: – Мен бир жүз отыз жылдан бери дүньяға мийманман. Мениң өмирим тез ҳәм машақатлы өтти, бирақ мен ата-бабаларымның мийман болып жасап кеткен жасына еле жетпедим, – деп жуўап берди.
10. Соңынан Яқып фараонға пәтиясын берип, оның алдынан шығып кетти.
11. Солай етип, Юсуп әкесин ҳәм туўысқанларын Мысырға орналастырып, фараонның буйырғанындай, оларға елдиң ең жақсы жеринен, Рамсес үлкесинен меншик жер берди.
12. Және де, Юсуп әкесин, туўысқанларын ҳәм әкесиниң үй-ишин балаларының санына қарай азық-аўқат пенен тәмийинледи.
13. Ашлықтың күшейгени соншелли, ҳеш бир елде жейтуғын нәрсе қалмады. Мысыр ҳәм Қанан еллери қырылып кете жазлады.
14. Юсуп сатқан дәни ушын Мысырдағы ҳәм Қанандағы барлық гүмислерди жыйнап, фараонның сарайына апарды.
15. Мысырда да, Қананда да гүмис таўысылғанда, мысырлылар Юсупке келип: – Бизлерге жейтуғын нәрсе бериң! Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Гүмислеримиз де таўысылды, – деди.
16. Юсуп оларға: – Егер гүмисиңиз таўысылған болса, малларыңызды алып келиң. Мен олардың орнына сизлерге азық-аўқат беремен, – деди.
17. Солай етип, олар малларын Юсупке алып келди. Юсуп олардың атлары, майда-ири маллары ҳәм ешеклериниң орнына азық-аўқат берди. Юсуп бир жыл бойы оларды малларының орнына азық-аўқат пенен тәмийинледи.
18. Сол жыл өткеннен соң, кейинги жылы халық және Юсуптиң алдына келип: – Мырзамыз, сизден ҳақыйқатты жасырмаймыз: гүмисимиз таўысылды, малларымызды сизге бердик. Енди сизге өзимизден ҳәм жеримизден басқа беретуғын ҳеш нәрсемиз қалмады.
19. Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Жерлеримиз де шөлге айлансын ба? Сиз бизлерди ҳәм жерлеримизди сатып алып, орнына азық-аўқат бериң. Бизлер жеримиз бенен бирге фараонның қулы болайық. Бизлерге туқым бериң, өлмей, тири қалайық, жер де қаңырап қалмасын, – деди.
20. Солай етип, Юсуп Мысырдағы барлық жерлерди фараон ушын сатып алды. Мысырлылардың ҳәммеси атызларын сатты. Өйткени ашлық оларды буған мәжбүр етти. Жерлердиң ҳәммеси фараондики болды.
21. Юсуп Мысырдың бир шетинен екинши шетине дейин пүткил халықты фараонның қулына айландырды.
22. Ол тек руўханийлердиң жерлерин ғана сатып алмады. Себеби олар фараон тәрепинен тәмийинленип, сол арқалы күн кеширгенликтен, жерлерин сатпады.
23. Юсуп халыққа: – Мен сизлерди ҳәм жерлериңизди фараон ушын сатып алдым. Мине, сизлерге туқым, оны жерге егиңлер.
24. Зүрәәт жыйнағаныңызда, зүрәәттиң бестен бир бөлегин фараонға бересиз. Ал қалған төрт бөлегин атызға егетуғын туқым ретинде қолланасыз, және де, өзиңиз, хожалығыңыз ҳәм балаларыңыз ушын аўқат қыласыз, – деди.
25. Халық Юсупке: – Сиз бизлердиң өмиримизди сақлап қалдыңыз. Мырзамыздың кеўлинен шығайық ҳәм бизлер фараонның қулы болайық, – деди.
26. Юсуп зүрәәттиң бестен бирин фараонға бериў ҳаққында Мысырда нызам шығарды ҳәм бул нызам ҳәзирги күнге дейин сақланып келеди. Тек руўханийлердиң жерлери ғана фараонға берилмеди.
27. Израил Мысырда Гошен жерине орналасты. Олар сол жерде мүлик ийеси болды ҳәм өсип-өнип, жүдә көбейди.
28. Яқып Мысырда он жети жыл жасады. Ол барлығы болып бир жүз қырық жети жыл өмир сүрди.
29. Өлими жақынласқанда, Яқып улы Юсупти шақырып алып, оған былай деди: – Егер маған кеўлиң толса, санымның астына қолыңды қой да, маған жақсылық ислеп, садықлық көрсететуғыныңа ҳәм мени Мысырда жерлемейтуғыныңа ант иш.
30. Мен қайтыс болғанымнан соң, мени Мысырдан алып кетип, ата-бабаларымның жанына жерле. Юсуп әкесине: – Мен айтқаныңыздай ислеймен, – деди+.
31. Израил оған: – Маған ант иш! – деди. Юсуп ант ишти. Израил төсегиниң бас ушында ийилип, Қудайға сыйынды.
1. Буннан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Юсупке: «Әкең аўырып атыр», – деген хабар жеткенде, ол уллары Менашше менен Эфрайымды ертип, әкесине кетти.
2. Яқыпқа: «Улыңыз Юсуп келди», – деп хабарлағанда, Израил күшин жыйнап, төсегинде турып отырды.
3. Яқып Юсупке: – Қүдирети күшли Қудай Қанан жериндеги Лузда маған көринди ҳәм мени жарылқап,
4. маған: «Мен сени өсип-өндирип, көбейтемен. Урпағыңнан көплеген халықлар жаратаман. Бул жерди сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен», – деген еди+.
5. Мен Мысырға келмесимнен алдын, сениң бул жерде туўылған еки улың Эфрайым менен Менашше енди меники болып есапланады. Олар мен ушын Рубен ҳәм Шимон менен теңдей+.
6. Олардан кейин туўылатуғын балаларың өзиңдики болады. Оларға Эфрайым ҳәм Менашше арқалы мийрас өтеди.
7. Мен Падданнан қайтып киятырғанымда, Қанан елинде, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳила қайтыс болып, мен оннан айырылып қалдым. Оны Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерледим, – деди+.
8. Израил Юсуптиң улларын көрип: – Булар кимлер? – деп сорады.
9. Юсуп әкесине: – Булар – Қудайдың маған Мысырда берген уллары, – деди. Сонда Израил оған: – Оларды маған жақынлат, оларға пәтиямды берейин, – деди.
10. Қартайғанлықтан, Израилдың көзлери әззилеп, жақсы көрмейтуғын еди. Юсуп улларын әкесине жақынлатқанда, әкеси оларды сүйип, қушақлады.
11. Соңынан Израил Юсупке: – Мен сениң дийдарыңды көриўден үмитимди үзген едим, бирақ, минекей, Қудай маған сениң перзентлериңди де көрсетти, – деди.
12. Юсуп әкесиниң дизесинде отырған улларын шетке алды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, әкесине тәжим етти.
13. Соңынан Юсуп Эфрайымды оң жағына алып, Израилдың шеп қолына туўрылап, ал Менашшени шеп жағына алып, Израилдың оң қолына туўрылап турғызды.
14. Бирақ Израил қолларын айқастырып, туңғыш ул Менашше болыўына қарамастан, оң қолын киши ул Эфрайымның басына, ал шеп қолын туңғыш ул Менашшениң басына қойды.
15. Кейин Юсупке пәтиясын берип былай деди: – Аталарым Ибрайым менен Ысақтың хызмет еткен Қудайы, усы күнге дейин, өмирим бойы мениң шопаным болған Қудай,
16. мени барлық жаманлықлардан сақлап келген периште бул өспиримлерди жарылқасын! Мениң атым ҳәм аталарым Ибрайым менен Ысақтың атлары олар арқалы даўам етсин. Олар жер бетинде есап-сансыз болып көбейсин.
17. Әкесиниң оң қолын Эфрайымның басына қойғаны Юсупке унамады. Сонлықтан ол әкесиниң қолын Эфрайымның басынан алып, Менашшениң басына қоймақшы болды.
18. Юсуп әкесине: – Әке, олай емес, туңғыш ул Менашше болады, оң қолыңды оның басына қой, – деди.
19. Бирақ әкеси келисим бермей: – Билемен, улым, билемен. Менашшеден да уллы бир халық шығады. Бирақ оның иниси оннан да уллырақ болып, урпақларынан көп халықлар келип шығады, – деди+.
20. Сол күни Израил оларға пәтиясын берип, былай деди: – Израиллылар пәтия бергенде: «Қудай сени Эфрайым ҳәм Менашшедей қылсын!» – деп сизлердиң атыңыз бенен пәтия беретуғын болады. Усылайынша Яқып Эфрайымды Менашшеден жоқары қойды.
21. Соң Израил Юсупке: – Мениң өлимим жақынласты. Қудай сизлер менен бирге болып, сизлерди ата-бабаларыңыздың жерине қайтарады.
22. Саған туўысқанларыңнан бир пай артық етип, таў етегиндеги жерди де беремен. Оны мен қылыш ҳәм садағым менен амор халқынан тартып алған едим, –
1. Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди: – Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.
2. Жыйналып қулақ салыңлар, Ҳәй, Яқып уллары, Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!
3. Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым, Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси, Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.
4. Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы, Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди. Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине, Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.
5. Ағайинли Шимон ҳәм Лебий, Қылышлары – жаўызлық қуралы.
6. Олардың жасырын жобасына шерик болмайын, Жыйынына да қатнаспайын мен. Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди, Кеўли күсегенин қылып, Кести буғалардың аяқ сиңирин.
7. Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына, Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине! Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына, Тарқатаман Израил халқының арасына.
8. Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды. Қолың жаўыңның желкесинен түспейди, Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.
9. Яҳуда, сен жас арыслансаң, Улым мениң! Аң аўлап қайттың, Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип, Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?
10. Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин, Патшалық ҳасасы алынбас сеннен. Бийлик бәрқулла сеники болып, Халықлар саған бойсынар.
11. Байларсаң ешегиңди жүзим ағашына, Гүрреңди мийўели шақасына. Жуўарсаң кийимлериңди шарапқа, Шапаныңды жүзимниң қанына.
12. Шараптан нурлы болар көзлериң, Сүттен ақ болар сениң тислериң.
13. Зебулон жасайды теңиз бойында, Кемелерге жағыс болар ол, Мәканлаған жери болар Сидонға шекем.
14. Жүклер арасында жатырған, Иссахар – бир күшли ешек.
15. Ол қашан дем алатуғын жақсы жер, Унайтуғын бир ел көрсе, Жүкти көтериў ушын ыйығын тутып, Ерксиз хызметшиге айланар.
16. Дан да Израилдың бир урыўы болып, Өз халқына қазылық етер.
17. Дан – жол шетиндеги жылан, Ол – соқпақта жатырған бир уўлы жылан. Ол аттың табанынан шаққанда, Атлыны шалқасына жығылтар.
18. Сениң қутқарыўыңды күтпектемен, Жаратқан Ийе!
19. Гад басқыншылар ҳүжимине ушырар, Бирақ олардың изинен қуўып, шабыўыл жасар.
20. Ашердиң азық-аўқаты тойымлы келер, Ол патшаға сай ләззетли тағам жетистирер.
21. Нафталий – бир азат суўын, Оннан әжайып балалар туўылар.
22. Юсуп – мийўели ағаш, Ол – булақ басындағы жемисли терек. Шақалары дийўалдан асып өтер,
23. Оған садақшылар реҳимсиз ҳүжим етти, Душпанларша үстине оқлар жаўдырды.
24. Бирақ Израилдың Қорғаўшы жартасы ҳәм Шопаны болған, Яқыптың Күшли Қудайының жәрдеминде, Қоллары оның қарыўлы ҳәм шаққан болды, Сонлықтан ол садағын беккем услады.
25. Әкеңниң Қудайы сени қоллап турар, Жоқарыдағы аспанның берекети менен, Жердеги терең булақлардың берекети менен, Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен, Қүдирети күшли Қудай сени жарылқар.
26. Әкеңниң берген пәтиялары, Уллырақ болар әййемги таўлардың берекетлеринен, Ески төбешиклер молшылығынан да. Пәтияларым туўысқанлары ишинен таңланған Юсупке қонсын!
27. Бенямин – аш қасқыр, Ол аўлаған аңын азанда жеп, Кеште олжаны бөлисер.
28. Израилдың он еки урыўы усылар. Әкеси оларға бул сөзлерди айтып, ҳәр бирине минәсип болған пәтияны берген еди.
29. Буннан кейин, Яқып улларына былай деп ўәсият етти: – Мен өлип, ата-бабаларыма қосылажақпан. Мени ата-бабаларымның жанына, хет халқынан болған Эфронның атызындағы үңгирге апарып қойыңлар.
30. Бул үңгир Қанан жеринде, Мамреге жақын жердеги Махпела атызында жайласқан. Оны Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын сатып алған еди.
31. Ол жерге Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара, Ысақ ҳәм оның ҳаялы Ребекка қойылған. Мен Леаны да сол жерге қойдым.
32. Бул атыз ҳәм ондағы үңгир хетлерден сатып алынған еди.
33. Яқып улларына бул ўәсият сөзлерин айтып болғаннан соң, төсегинде аяқларын жыйнап жатты да, деми таўысылып, өз ата-бабаларына қосылды.
1. Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди.
2. Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады.
3. Бул ис қырық күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
4. Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине: – Егер маған кеўлиңиз толған болса, фараонға мыналарды жеткизиңлер.
5. Әкем маған ант иштирип: «Мениң өлимим жақынласты. Мени Қанан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой», – деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин, – деди.
6. Сонда фараон Юсупке: – Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт, – деди.
7. Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти.
8. Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды.
9. Саўаш арбалар ҳәм оның үстиндеги әскерлер де оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
10. Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты.
11. Сол жерде жасайтуғын қананлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» – дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым аты берилди.
12. Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады.
13. Оның денесин Қанан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди.
14. Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.
15. Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» – дести.
16. Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип,
17. саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, – деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.
18. Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып: – Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
19. Бирақ Юсуп оларға: – Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен.
20. Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды.
21. Сонлықтан қорқпаңлар, мен сизлерди де, балаларыңызды да бағаман, – деди де, ағаларының жүрегине жағатуғын жыллы сөзлер айтып, оларға тәселле берди.
22. Солай етип, Юсуп ҳәм оның әкесиниң үй-иши Мысырда жасап қалды. Юсуп бир жүз он жыл жасады.
23. Юсуп Эфрайымның ақлық-шаўлықларын көрди. Ал Менашшениң улы Махирдиң улларын асырап алды.
24. Юсуп туўысқанларына: – Мениң өлимим жақынласты. Бирақ Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Ол сизлерди бул жерден алып шығып, Өзи Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерине апарады, – деди.
25. Соңынан оларға ант иштирип: – Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сизлер мениң сүйегимди бул жерден алып кетиңлер, – деди.
26. Юсуп бир жүз он жасқа шығып қайтыс болды. Оның денесин мумиялап, Мысырда бир табытқа салып қойды.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.