Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 1 bob

1 Китаптың мазмуны. 4 Исениўши жети жәмәәтке сәлемнама. 

1 Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Ѳз хызметшилерине билдириў ушын Кудайдың Ийса Масихқа берген аяны. Ал Ол Ѳз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди.
2 Юхан Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный ѳзи кѳрген нєрселериниң ҳєммесин баян етти.
3 Бул пайғамбаршылық сѳзлерди оқыйтуғын ҳєм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.
4 Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жємєєтке сєлем! Ҳєзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын Кудайдан,
5 Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, ѳлилер арасынан биринши болып тирилген ҳєм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳєм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Ѳз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды
6 ҳєм бизлерди Ѳз Патшалығына еристирип, Єкеси Кудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
7 «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳєр бир кѳз Оны кѳреди, Оның денесин тескенлер де кѳреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли ѳкирип жылайды». Аўа, усылай болады, аўмийин.
8 Ҳєзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳєм Омегаман».
9 Мен, Ийсаның қайғы-ҳєсиретине, патшалығына ҳєм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса ҳаққында жєриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим.
10 Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кєрнайдың даўысына уқсаған бєлент бир даўысты еситтим.
11 «Кѳрип турғанларыңды китапқа жаз ҳєм жети жємєєтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳєм Лаодикияға жибер», – деди даўыс.
12 Сѳйлеп турғанды кѳриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты кѳрдим.
13 Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, кѳкирегине алтын ѳңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди.
14 Оның басы ҳєм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Кѳзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди.
15 Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди.
16 Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли ѳткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.
17 Мен Оны кѳриўден-ақ, ѳли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Корқпа! Мен – биринши ҳєм соңғыман.
18 Мен тиримен. Ѳлген едим, бирақ, мине, мєңгиге тиримен. Ѳлимниң ҳєм ѳлилер мєканының гилтлери Мениң қолымда.
19 Сонлықтан кѳргенлериңди, ҳєзир жүз берип атырған нєрселерди ҳєм буннан соң болатуғынларды жаз.
20 Оң қолымда сен кѳрген жети жулдыздың ҳєм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жємєєттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жємєєт.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar



Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)


















Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16