Жаратылыс 1 bob

Дүньяның жаратылыўы (1-31).

1 Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
2 Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3 а Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды.
4 Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты.
5 Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6 Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир- биринен айырып турсын!» – деп буйырды.
7 Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды.
8 Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9 Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
10 Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11 Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да.
12 Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
13 Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14 Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын.
15 Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да.
16 Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты.
17 Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды.
18 Қудай буның да жақсы екенин көрди.
19 Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20 Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды.
21 Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
22 Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди.
23 Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24 Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
25 Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26 Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди.
27 Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты.
28 Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29 Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады.
30 Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31 Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.