Рут 1 bob

Элимелех шаңарағы менен Моаб жерине көшип барыўы (1-5). Нағыйма менен Руттың Бейтлеҳемге қайтыўы (6-22).

1 Израилды бийлер басқарған дәўирде елде ашаршылық болды. Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан бир адам ҳаялы ҳәм еки улы менен бирге бир қанша ўақыт жасап турыў ушын Моаб* елине көшип кетти.
2 Ол адамның аты Элимелех, ҳаялының аты Нағыйма, улларының атлары болса Махлон ҳәм Килйон еди. Эфратлы болған бул адамлар Яҳуданың Бейтлеҳем қаласының турғынлары еди. Олар Моаб елине жетип келип, сол жерде жасап қалды.
3 Арадан бир қанша ўақыт өткеннен кейин, Нағыйманың күйеўи Элимелех қайтыс болды. Ол еки улы менен жесир болып қалды.
4 Оның еки улы моаблы қызларға үйленди: биринши келининиң аты Орпа, ал екинши келининиң аты Рут еди. Моабта жасағанына он жылдай болғанда,
5 Махлон да, Килйон да бул дүньядан көз жумды. Солай етип, Нағыйма күйеўинен ҳәм еки улынан айырылып, жалғыз қалды.
6 Моаб елинде жүрген Нағыйма: «Жаратқан Ийе Өз халқына нәзерин түсирип, оларға нан берди», – деген гәпти еситип, келинлери менен бирге өз елине қайтыўға бел байлады.
7 Олар жасаған жерин – Моаб елин таслап, Яҳудаға қарай жолға шықты.
8 Жолда киятырып, Нағыйма келинлерине: – Барыңлар, екеўиңиз де төркиниңизге қайтыңлар. Сизлер марҳум күйеўлериңизге ҳәм маған қандай жақсылық қылған болсаңыз, Жаратқан Ийе де сизлерге сондай жақсылық қайтарсын.
9 Жаратқан Ийе сизлердиң ҳәр бириңизге күйеў берип, үйли-жайлы болып кеткейсиз! – деп, олардың бетлеринен сүйди. Бирақ олар зар жыласып:
10 – Яқ, бизлер сениң менен бирге сениң халқыңа баражақпыз, – деди.
11 Сонда Нағыйма келинлерине былай деди: – Қызларым, үйлериңизге қайтыңлар! Мениң менен кеткениңизден не пайда? Сизлерге күйеў болғандай, қурсағымда балам бар ма еди?
12 Барыңлар, кейниңизге қайтыңлар, қызларым! Мен енди қартайдым, күйеўге шыға алмайман. Егер де мен еле де үмит қылсам болады, деп усы түни күйеўим менен қосылып уллар туўсам да,
13 олар ержеткенше сизлер күтип отырар ма едиңиз? Соларға қарап, турмысқа шықпай жүрер ме едиңиз? Яқ, қызларым, Жаратқан Ийе мени соншама бахытсызлықларға дуўшар етти. Мениң қайғы-ҳәсиретим сизлердикинен де күшлирек.
14 Келинлер және зар жыласты. Ақыры Орпа енеси менен сүйисип хошласты. Ал Рут болса енесинен айырылғысы келмей, оның менен бирге қалды.
15 Нағыйма Рутқа: – Мине, абысының өз халқына ҳәм өз қудайына қайтып баратыр. Сен де оның изине ерип кете бер! – деди.
16 Бирақ Рут былай деди: – Сени таслап кетиўге мени мәжбүр етпе! Сен қай жерге барсаң, мен де сол жерге бараман, сен қай жерде болсаң, мен де сол жерде боламан. Сениң халқың мениң халқым, сениң Қудайың мениң Қудайым болады.
17 Сен қай жерде дүньядан көз жумсаң, мен де сол жерде өлип, жерленемен. Егер де мен өлимнен басқа бир себеп пенен сеннен айырылсам, Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын.
18 Нағыйма Руттың өзи менен бирге кетиўге қатаң қарар еткенин көрип, оны қайтып үгитлемеди.
19 Солай етип, екеўи Бейтлеҳемге қарай жүрип кетти. Олар Бейтлеҳемге жетип келгенде, барлық қала халқы жанланып кетип, ҳаяллар: – Ҳаў, бул Нағыйма емес пе? – дести.
20 Нағыйма оларға былай деди: – Мени енди Нағыйма деп емес, ал Мара деп атаңлар. Себеби Қүдирети күшли Қудай мениң басыма көп қайғы-ҳәсирет салды.
21 Бул жерден кеткенимде мен ҳәммесине ийе едим, бирақ Жаратқан Ийе мени қуры қол қайтарды. Неге мени Нағыйма деп атап атырсызлар? Қүдирети күшли Қудай мени азап-ақыретлерге дуўшар қылып, бахытсыз етти-ғо.
22 Солай етип, Нағыйма Моаб елинен келини болған моаблы Рут пенен бирге қайтты. Олар Бейтлеҳемге келген ўақытта арпа орағы басланған еди .



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16