Қосықлар Қосығы 1 bob

Қыз: (1-3), Жаўанлар: (3), Қыз (4-6), Жигит: (7-10), Қыз: (11-13), Жигит: (14), Қыз: (15-16).

1 Сулайманның ең жақсы қосығы.Сүй мени, еринлериң менен сүй! Муҳаббатың шараптан да татлы!
2 Әтир майың қандай хош ийисли! Атың да төгилген әтир киби, Соның ушын қызлар сүйеди сени!
3 Мени өзиң менен алып кет, асығайық, Шаҳзадам мени отаўына апарсын!Сениң менен қуўанып, шадланамыз, Муҳаббатыңды шараптан да зыяда деп тәрийиплеймиз.Минәсипсең сен қызлардың муҳаббатына.
4 Ерусалим қызлары, Мен қара торыдан келген сулыўман. Кедар шатырларындай қараман, Сулайманның перделериндей гөззалман.
5 Қара торы болғаныма қарамаң, Қуяш қарайтты мени. Аға-инилерим маған ашыўланып, Мени жүзимзарға қараўыл қылып қойды. Өзимниң жүзимзарыма қарай алмадым.
6 Сүйиклим, айтшы, сүриўиңди қай жерде бағасаң? Түсте оны қай жерде тынықтырасаң? Неге сениң досларыңның сүриўлери арасынан, Бетине перде жамылған бузықлардай, Сени излеп, сергиздан болыўым керек?
7 Ҳәй, гөззаллар гөззалы! Билмесең, сүриўлердиң изи менен жүр, Шопанлардың шатырларының жанында, Ылақларыңды бақ.
8 Фараонның арбасына жегилген, Байталға мегзетемен сени, сүйиклим!
9 Тағыншақлар бет әлпетиңе, Моншақлар мойныңа қандай жарасқан!
10 Саған гүмис пенен әшекөйленген, Алтын тағыншақ соғып беремиз.
11 Шаҳзадам өз дастурханы әтирапында отырғанда, Нард әтирим хош ийисин таратты.
12 Сүйиклим мен ушын, Көкиреклерим ортасында жатырған, Мирра толы қалташаға мегзейди.
13 Сүйиклим мен ушын, Эн-Гедийдеги жүзим бағындағы, Қына гүлиниң дәстесине мегзейди.
14 Қандай гөззалсаң, сүйиклим! Гөззалсаң, қумыры көзлим.
15 Қандай сымбатлысаң, сүйиклим! Жүдә сүйкимлисең! Жатағымыз жасыл майсазар.
16 Кедрлер үйимиздиң төбеси болса, Сәрўи ағашлары шертегимиз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16