Нахум 1 bob

Жаратқан Ийениң Ниневияға қарсы ғәзеби (2-15).

1 Бул Ниневия қаласы ҳаққында пайғамбаршылық сөзи. Элқошлы Нахумға берилген аян мынадай:
2 Жаратқан Ийе – қызғаншақ, өш алыўшы Қудайдур, Ол өш алады ҳәм ғәзепке толыдур. Қарсы шыққанлардан өш алар, Душпанларына қарсы ғәзепленип жүрер.
3 Жаратқан Ийе сабыр-тақатлы, Бирақ Ол күшли, қүдиретлидур. Айыплының айыбын сөзсиз жазалайды, Жүрген жолы қуйын менен даўыл болады, Аяқ астынан шаңдай қойыў бултлар көтериледи.
4 Ол бир буйрық пенен қурғатар теңизди, Кептирип таслар пүткил дәрьяларды. Қуўрап қалар Башанның ҳәм Кармел таўының жасыл шөплери, Солып қалар Лебанонның гүллери.
5 Жаратқан Ийениң алдында таўлар титирер, Дәргайында төбешиклер ерип кетер. Ол көрингенде, жер силкинер, Пүткил жер жүзи ҳәм ондағы барлық қалтырап кетер.
6 Ким қарсы тура алар Оның қәҳәрине? Ким шыдай алар Оның отлы ғәзебине? Ғәзеби оттай лаўлап жайылар, Жартаслар шыл-пәрше болып кетер.
7 Жаратқан Ийе жақсыдур, Қыйналған ўақытта қорғандур, Қорғайды Ол Өзинен пана тапқанларды.
8 Бирақ күшли суў тасқыны менен жоқ етер Ниневияны, Душпанларының изине түсип, қараңғылыққа айдайды.
9 Жаратқан Ийеге қарсы ҳеш қандай жоба дүзбе! Өйткени Ол сени жоқ қылады. Екинши мәрте Оған қарсы тура алмайсаң.
10 Шырмалған тикендей, мәс болып батырдай болған сизлер, Қурғақ сабандай жандырылып жоқ боласызлар.
11 Ҳәй, Ниневия, Жаратқан Ийеге қарсы жоба дүзетуғын, Жаўыз мәсләҳәт беретуғын сеннен шықты.
12 Жаратқан Ийе Яҳуда халқына былай дейди: «Ассириялылар күшли ҳәм сансыз болғаны менен де, Олар қырылып, жоқ болып кетеди. Ҳәй халқым, сениң басыңды азапқа салған едим, Енди буннан булай азапқа дуўшар етпеймен,
13 Мойынтырығыңды сындырып, Ассирияның қолынан азат қыламан».
14 Ассирия ҳаққында Жаратқан Ийе былай деп жәриялады: «Атыңызды даўам етиўши зүрядыңыз болмасын, Жоқ қыламан қудайларыңның үйиндеги бут мүсинлерди, Жағымсыз халық болғаның ушын, таярлайман қәбириңди».
15 Мине, хош хабар алып келиўши, Тынышлық хабары менен таўлардан асып келер. Ҳәй, Яҳуда халқы, белгиле байрамларыңды, Орынла Қудайға берген ўәделериңди. Енди душпанларың бастырып келмес елиңе, Өйткени толығы менен жоқ етилди олар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16