Хаггай 1 bob

Жаратқан Ийениң Ибадатхананы қайтадан қурыўды буйырыўы (1-11), Халықтың буйрыққа қулақ асыўы (12-15).

1 Патша Дарийдиң патшалығының екинши жылының алтыншы айының биринши күнинде Яҳуда ҳәкими Шеалтиелдиң улы Зеруббабелге ҳәм бас руўханий Иосадақ улы Ешуаға пайғамбар Хаггай арқалы Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Бул халық Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайтадан қуратуғын ўақыт еле келмеди, деп айтып атыр“».
3 Соннан кейин, Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггай арқалы және мынадай сөз түсти:
4 «Бул Ибадатхана ўайран болып қулап атырған ўақытта, сизлерге ағашлар менен қапланған сулыў үйлерде жасайтуғын ўақыт па?»
5 Мине, енди Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар!
6 Көп ектиңлер, бирақ аз орып алдыңлар. Сизлер аўқат ҳәм шарап ишип-жесеңиз де, тоймадыңлар. Кийим-кеншек кийсеңиз де, денеңиз жылымады. Ис ҳақыңызды алғаныңыз бенен, тесик шыжлан қалтаға салғандай болады».
7 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп айтып атыр: «Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар!
8 Таўларға шығып, ағаш алып келиңлер ҳәм Ибадатхананы қайта қурыңлар. Усылай етип, Мениң кеўлим толып, атым уллылансын! Буны Жаратқан Ийе болған Мен айтаман.
9 Мол зүрәәт алыўға үмит еткен едиңлер, бирақ аз жыйнадыңлар. Аўа, үйлериңизге не алып келсеңиз де, оларды көкке суўырдым. Не ушын? – деп Жаратқан Ийе болған Мен сорайман. Аўа, Мениң Ибадатханам ўайран болып жатырған ўақытта, сизлер өз үйлериңизди салыўға жуўырғаныңыз ушын солай иследим.
10 Соның ушын да, аспан жаўылып, шық түспеди ҳәм жер өз зүрәәтин бермеди.
11 Елдеги таўларға ҳәм атызларға қурғақшылық жибердим. Буның кесири таза шарапқа, зәйтүн майына, жердиң жетистиретуғын барлық өнимлерине, адамларға ҳәм ҳайўанларға тийип, ислеген мийнетлериңиз босқа кетти».
12 Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел, бас руўханий Иосадақ улы Ешуа ҳәм қалған халықтың барлығы Қудайы болған Жаратқан Ийе жиберген пайғамбар Хаггайдың сөзлерине қулақ салып, Жаратқан Ийеге бойсынды.
13 Кейин Жаратқан Ийениң хабаршысы Хаггай Оның: «Мен сизлер менен биргемен», – деген сөзлерин халыққа жеткерди.
14 Солай етип, Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәкими Шеалтиел улы Зеруббабелди, бас руўханий Иосадақ улы Ешуаны ҳәм қалған халықтың барлығын руўхландырып, усы иске жигерлендирди. Сонда олар келип, Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Ибадатханасының қайта қурыў жумысын баслап жиберди.
15 Бул патша Дарийдиң патшалығының екинши жылының алтыншы айының жигирма төртинши күни еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16