1 Юхан 1 bob

Өмир Сөзи (1-4), Қудай – нур (5-10).

1 Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз.
2 Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Әке менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз.
3 Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарымқатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих пенен болады.
4 Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.
5 Ийса Масихтан еситип, сизлерге жәриялап атырған хабарымыз бул: Қудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ.
6 Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз.
7 Бирақ Қудайдың Өзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бирбиримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳәм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды.
8 Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳәм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды.
9 Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды.
10 гер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз ҳәм бизлерде Оның сөзи болмайды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16