Римлилер 1 bob

Сәлемнама (1-7), Павелдиң Римге барыўды әрман етиўи (8-15), Хош Хабардың күши (16-17), Қудайдың ғәзеби (18-32).

1 Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем!
2 Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди.
3 Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм
4 Оның Мухаддес Руўх тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих.
5 Масихтың аты ушын, ҳәмме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳәм сөзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Қудайдың мийримине ҳәм елшилик хызметине ийе болдық.
6 Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳәр түрли миллетлерденсиз.
7 Қудай сүйип, Өз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳәммеңизге Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин!
8 Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳәммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Қудайыма шүкирлик билдиремен.
9 Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа.
10 Және де, енди сизлерге барыўым ушын Қудайдың қәлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман.
11 Өйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты көргим келип атыр.
12 Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.
13 Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди көп мәртебе мақсет етсем де, бирақ ҳәзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қәлемеймен.
14 Мениң парызым ҳәммеге: греклерге ҳәм грек емеслерге, билимли ҳәм билимсиз адамларға Хош Хабарды жәриялаўдан ибарат.
15 Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жәриялаўға таярман.
16 Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Қудайдың күши.
17 Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды» .
18 Ҳақыйқатқа өз наҳақлығы менен бөгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳәм наҳақ ислерине аспаннан Қудайдың ғәзеби төгиледи.
19 Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нәрселер оларға белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мәлим еткен.
20 Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қәсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳәм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳәм ашық көринеди. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды.
21 Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳәм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады.
22 Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты:
23 мәңги тири Қудайдың уллылығын басында өлим бар адамның, қуслардың, төрт аяқлы ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың көринисиндеги бутларға алмастырды.
24 Сол себептен Қудай оларды жүреклериндеги ҳарам қәлеўлерине ҳәм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады.
25 Олар Қудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нәрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Қудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин.
26 Сонлықтан Қудай оларды уятсыз қәлеўлерине тапсырды. Ҳәтте, ҳаяллар да ер адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, өз ара тәбийғый емес қатнас жасады.
27 Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды.
28 Қудайды билиўди қәлемегенликтен, Қудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳәм ислеўге болмайтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеўге тапсырды.
29 Олардың кеўиллери ҳәр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нәпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жәнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳәм жаман нийетке толы. Олар және өсекши,
30 жалахор, Қудайды жек көриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сөзин тыңламайтуғын,
31 ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳәм реҳимсиз адамлар.
32 Бундай ислерди ислеўшилер өлимге ылайық, деген Қудайдың әдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек өзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16