Колосалылар 1 bob

Сәлемнама (1-2), Павелдиң Қудайға шүкирлик билдириўи ҳәм дуўа етиўи (3-14), Масихтың Өзлиги ҳәм Оның хызмети (15-23), Павелдиң исениўшилер жәмәәтине қылған хызмети (24-29).

1 Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден,
2 Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3 Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз.
4 Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик.
5 Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сөзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер.
6 Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7 Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тәлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси.
8 Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9 Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
10 Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.
11 Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз.
12 Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды.
13 Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди.
14 Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.
15 Қудайдың Улы болған Масих көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған.
16 Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масих тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды.
17 Масих ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты.
18 Масих – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди.
19 Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди.
20 Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи.
21 Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер.
22 Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды.
23 Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.
24 Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масихтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман.
25 Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым.
26 Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды.
27 Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих.
28 Бизлер усы Масих ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз.
29 Масихтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16