Нызамнын кайталаныуы 1 bob

Израиллылардың Хореб таўынан жолға шығыўы (1-8). Муўсаның қазыларды тайынлаўы (9-18). Халықтың жансызларды жибериўи (19-33). Жаратқан Ийениң Израил халқын жазалаўы (34-46).

1 Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы шөлде израиллыларға төмендеги сөзлерди айтты. Бул шөл Суфтың қарама- қарсысындағы Иордан тегислигиниң бир бөлегинде, Паран менен Тофел, Лабан, Хасерот ҳәм Дий-Заҳаб арасында жайласқан еди.
2 Хоребтен таўлы Сеир жерине алып баратуғын жол менен жүргенде, Қадеш-Барнияға дейин он бир күнлик жол еди.
3 Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин, қырқыншы жылдың он биринши айының биринши күни Муўса оларға Жаратқан Ийениң буйырған сөзлерин жәриялады.
4 Буннан алдын Муўса Хешбонда ҳүкимдарлық қылған амор халқының патшасы Сихонды, Аштаротта ҳәм Эдрейде ҳүкимдарлық қылған Башан патшасы Огты жеңилиске ушыратқан еди.
5 Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы Моаб жеринде Жаратқан Ийениң нызамын былай деп түсиндире баслады:
6 «Қудайымыз Жаратқан Ийе Хоребте бизлерге былай деди: „Бул таўда узақ ўақыт турып қалдыңыз.
7 Қәнекей, жолға шығыңлар. Амор халқының таўлы жерине ҳәм сол жерге қоңсылас болған барлық еллерге: Иордан тегислигине, таўлы үлкеге, батыстағы таў етеклерине, Негебке ҳәм Жер Орта теңизиниң бойларына кирип барыңлар. Яғный, пүткил Қанан ели менен Лебанонға, және де, уллы Евфрат дәрьясына дейин барыңлар.
8 Сол жерлерди сизлерге берип атырман. Барыңлар, ата-бабаларыңызға – Ибрайымға, Ысаққа, Яқыпқа ҳәм олардың әўладларына беремен деп ант ишкен жерлерди мүлик етип алыңлар“».
9 «Сол ўақытта сизлерге былай деп айттым: „Сизлерди бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби сизлер мен ушын аўыр жүк боласызлар.
10 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди көбейтти. Мине, бүгинликте аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз болып, көбейдиңиз.
11 Ата- бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе ўәде бергениндей, сизлерди еле де мың есе көбейтсин ҳәм жарылқасын!
12 Бирақ сизлердиң аўыр жүклериңиз бенен даўларыңызды бир өзим қалайынша көтеремен?
13 Енди ҳәр бир урыўдан дана, ақыллы ҳәм тәжирийбели адамларды таңлап алыңлар. Оларды сизлерге басшы етип тайынлайман“.
14 Сизлер де буны жақсы деп мақулладыңыз.
15 Сонда урыўларыңыздан дана ҳәм тәжирийбели болған адамларды сизлерге мыңбасы, жүзбасы, елиўбасы, онбасы ҳәм базыларын жәмийеттиң қадағалаўшылары етип тайынладым.
16 Сол ўақытта тайынланған қазыларға былай деп буйырған едим: „Туўысқанларыңыздың арасындағы даўларға қулақ салың. Бир адамның израиллы туўысқаны менен ямаса келгинди бир адам менен болған даўларын әдиллик пенен шешиң.
17 Ҳүким ўақтында бир тәреплилик қылмаң, бай адамға да, жарлы адамға да қулақ салың. Ҳеш кимнен қорқпаң, өйткени ҳүким Қудайдандур. Өзлериңиз шеше алмаған бир мәселе болса, маған алып келиң, оны өзим шешемен“.
18 Сол ўақытта сизлерге ислеўиңиз керек болған ҳәр бир исти тапсырған едим».
19 «Соннан кейин, Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге буйырғанындай, бизлер Хореб таўынан шығып, амор халқының таўлы жерине баратуғын жолдан жүрип, өзлериңиз көрген кең ҳәм қорқынышлы шөл арқалы Қадеш-Барнияға бардық.
20 Сол жерде мен сизлерге: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге берип атырған амор халқының таўлы жерине жетип келдик.
21 Қараңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы жерлерди сизлерге берди. Қәне, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай, барып ол жерди мүлик етип алыңлар. Қорқпаңлар, қәўетерге түспеңлер“, – дедим.
22 Ал сизлер ҳәммеңиз маған келип, былай дедиңлер: „Елди аралап, көзден өткерип шығыў ушын, алдымыздан жансызларды жиберейик. Олар қайсы жолдан баратуғынымызды ҳәм баратуғын сол қалалар ҳаққында хабар алып келсин“.
23 Бул пикир маған да мақул болды. Солай етип, араңыздан он еки адамды, ҳәр бир урыўдан бир адамнан таңлап алдым.
24 Олар таўлы үлкеге көтерилди ҳәм Эшкол сайына барып, елди аралап шықты.
25 Қайтып киятырып, сол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келди. Олар: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге берип атырған жери жақсы екен“, – деди.
26 Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шығып, ол жерге барыўды қәлемедиңиз.
27 Сонда өз шатырларыңызда тоңқылдап, былай дедиңиз: „Жаратқан Ийе бизлерди жек көреди. Ол бизлерди аморларға тәслим қылып, жоқ етиў ушын Мысырдан алып шықты.
28 Ол жерге не ушын баратырмыз? Туўысқанларымыз ол жердеги халықтың бизлерден гөре жүдә күшли ҳәм бойлары да бәлент екенин айтып, руўхымызды түсирип жиберди. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған, ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрген екен“.
29 Сонда мен сизлерге былай дедим: „Олардан қорқпаңлар, қәўетерге де түспеңлер.
30 Алдыңызда баратырған Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мысырда урысқандай, сизлер ушын урысады.
31 Қудайыңыз Жаратқан Ийе шөлде сизлерге ғамхорлық қылып келди. Ол әкениң өз баласын алып жүргениндей, сизлерди усы жерге дейин жол бойы көтерип келди.
32 Сонда да сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исенбей атырсыз.
33 Ал Ол болса, шатырларыңызды қурыўға жер излеў ушын, жүретуғын жолыңызды көрсетип түнде от, күндиз булт ишинде алдыңызда жүрип келди“».
34 «Жаратқан Ийе сизлердиң сөзлериңизди еситип, ғәзепленди ҳәм ант ишип былай деди:
35 „Ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен сол жақсы жерди усы жаман әўладтың ҳеш бири көрмейди.
36 Сол жерди тек ғана Ефунне улы Калеб көреди. Аяқ басқан жерлерин оған ҳәм оның әўладына беремен. Өйткени ол пүткил жүреги менен Жаратқан Ийеге, яғный Маған садық қалды“.
37 Жаратқан Ийе сизлер себепли маған да ғәзепленип, былай деди: „Сен де сол жерге кирмейсең.
38 Бирақ жәрдемшиң Нун улы Ешуа ол жерге киреди. Оны жигерлендир. Израиллыларға жерди мүлик етип, алып беретуғын адам Ешуа болады.
39 Сонда сизлер балаларымыз тутқын болады деп, айтқан едиңиз. Бүгинликте сол ақ пенен қараны айыра алмайтуғын балаларыңыз сол елге киреди. Елди оларға беремен, сол жерди олар мүлик етип, ийелейди.
40 Ал сизлер артыңызға қайтыңлар, Қамыс теңизине баратуғын жолдан шөлге кетиңлер“.
41 Сонда сизлер маған: „Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик. Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып урысамыз“, – дедиңиз. Сизлер сол таўлы үлкени басып алыў аңсат болады, деп ойлап, ҳәр бириңиз қуралларыңызды алдыңыз.
42 Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Оларға айт, урысыўға шықпасын. Себеби Мен сизлер менен бирге емеспен. Душпаныңыздан жеңилип қаласыз“.
43 Сизлерди ескерткен едим, бирақ қулақ салмадыңыз. Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер менменликке берилип, урысыў ушын таўлы үлкеге шықтыңыз.
44 Таўлы үлкеде жасайтуғын аморлар сизлерге қарсы шығып, олар пал ҳәррелериндей болып, изиңизден қуўды. Олар Сеирден Хорма қаласына дейин сизлердиң изиңизден қуўып қыйратты.
45 Аман қалғанларыңыз қайтып келип, Жаратқан Ийениң алдында жыладыңыз. Бирақ Жаратқан Ийе дадыңызға қулақ салмады, сизлерге итибар да бермеди.
46 Солай етип, узақ ўақытқа дейин Қадеште қалдыңыз».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16