1 Коринфлилер 1 bob

Сәлемнама ҳәм Қудайға шүкирлик билдириў (1-9), Коринф жәмәәтиндеги бөлиниўлер ҳаққында (10-17), Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм даналығы (18-31).

1 Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен,
2 Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4 Қудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен.
5 Өйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар.
6 Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды.
7 Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик көрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8 Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады.
9 Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық.
10 Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер.
11 Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим.
12 Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13 Масих бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз?
14 Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен.
15 Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды.
16 Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман.
17 Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сөзлерге тийкарланбай жәрияладым.
18 Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети.
19 Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».
20 Олай болса, дана адам қәне? Алым* қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма?
21 Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди.
22 ҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди.
23 Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди.
24 Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы.
25 Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26 Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди.
27 Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады.
28 Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады.
29 Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи.
30 Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды.
31 Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын» .



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16