Амос 1 bob

Израилға қоңсылас халықлардың жазаланыўы (3-15).

1 Теқоалы шарўашылардың бири болған Амостың сөзлери. Яҳуда патшасы Уззия, Израил патшасы Еҳоаш улы Яробам ҳүкимдарлық қылған ўақытларда, жер силкиниўден еки жыл алдын, Амос Израил ҳаққында аянлар көрди.
2 Амос былай деди: «Жаратқан Ийе Сионнан даўыслап бақырады, Ерусалимнен гүркиреген даўыс шығарады. Шопанлардың жайлаўлары қайғыға батады, Кармел таўының жоқарысындағы шөплер қуўрап қалады».
3 Жаратқан Ийе былай дейди: «Дамаск жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды, Олар темир тисли мала менен Гиладты езди.
4 Соның ушын, Хазаелдиң үйине от жаўдыраман, От жандырып жоқ етеди Бен-Ҳададтың қорған қалаларын.
5 Дамаск дәрўазаларының тәмбилерин сындыраман, Аўен ойпатлығында тахтта отырғанды жоқ қыламан, Бейт-Эденде патшалық ҳасасын услағанды өлтиремен, Кир журтына сүргин болады арам халқы». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
6 Жаратқан Ийе былай дейди: «Газа жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды. Олар пүткил жәмийетти сүргинге алып кетип, Эдомлыларға сатып жиберди.
7 Соның ушын, Газа дийўалларына от жаўдыраман, От жандырып жоқ етеди оның қорған қалаларын.
8 Ашдод қаласында тахтта отырғанды жоқ қыламан, Ашкелонда патшалық ҳасасын услағанды өлтиремен. Экронға қарсы қолымды көтеремен, Филистлердиң аман қалғанлары жоқ болады». Булар Қудай Ийениң сөзлери.
9 Жаратқан Ийе былай дейди: «Тир жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды. Олар дослық келисимин умытып, Пүткил жәмийетти тутқынға алып, Эдомлыларға сатып жиберди.
10 Соның ушын, Тир қаласының дийўалларына от жаўдыраман, От жандырып жоқ етеди оның қорған қалаларын».
11 Жаратқан Ийе былай дейди: «Эдом жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды. Олар қылыш пенен қуўды туўысқанларын, Реҳим қылмай, қәҳәрин шексиз шашты, Ғәзебинен ҳеш қайтпады.
12 Соның ушын, Теманға от жаўдыраман, От жандырып, жоқ етеди Босраның қорғанларын».
13 Жаратқан Ийе былай дейди: «Аммон жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды. Олар жер шегарасын кеңейтиў ушын Гиладқа ҳүжим қылып, Ол жердеги жүкли ҳаяллардың қарнын жарды.
14 Соның ушын, Рабба қаласының дийўалларына от қояман, От жандырып, жоқ қылады оның қорған қалаларын, Саўаш күниндеги қышқырықлар астында, Даўыллы күнниң дүбелейи ишинде қалады.
15 Аммон патшасы хызметшилери менен бирге сүргин етиледи». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16