Амос 5 bob

Израил халқы ушын айтылған толғаў (1-3), Тәўбеге шақырыў (4-17), Жаратқан Ийениң күни (18-27).

1 Израил халқы, сизлер ҳаққында айтатуғын, Жоқлаў жырыма қулақ салың:
2 «Қыз Израил жығылды, Енди қайтып тура алмайды, Ол жалғыз аўнап жатыр өз жеринде, Оны турғызатуғын ҳеш ким жоқ».
3 Соның ушын, Қудай Ийе былай дейди: «Қаладан Израил халқының мың жаўынгери шықса, Жүз жаўынгери ғана аман қалады, Қаладан жүз жаўынгери шықса, Он жаўынгери ғана аман қалады».
4 Соның ушын, Жаратқан Ийе Израил халқына былай дейди: «Маған қайтың, сонда жасайсыз,
5 Бейт-Элге бармаңлар, Гилгалға аяқ баспаңлар, Беер-Шебаға өтип кетпеңлер, Себеби Гилгал халқы сөзсиз сүргин етиледи, Бейт-Эл ҳеш нәрсе болмай қалады».
6 Жаратқан Ийеге қайтың, сонда жасайсыз, Болмаса, Ол Юсуптиң халқына қарсы оттай лаўлайды, Бейт-Элди жағып жоқ қылады. Жалынды өширетуғын ҳеш ким болмайды.
7 Ҳәй, әдалатты ашшы жуўсанға айландырғанлар, Ҳақлықты жерге урғанлар!
8 Үркер ҳәм Орион жулдыз топарларын жаратқанның, Түпсиз қараңғылықты таң нурына айландырып, Күндизди түндей қараңғы қылғанның, Теңиз суўларын шақырып, Жер жүзине қуйғанның аты Жаратқан Ийедур.
9 Ол күшлилерди жылдырымдай жығады, Қорған қаланы жер менен жексен қылады.
10 Ол күшлилерди жылдырымдай жығады, Қорған қаланы жер менен жексен қылады.
11 Кәмбағалды езесиз, Оған аўыр салық салып, бийдайын тартып аласыз, Тастан жонып үй салсаңыз да, онда жасай алмайсыз. Гөззал жүзимзар отырғызсаңыз да, оның шарабын ишпейсиз.
12 Жынаятларыңыз сөзсиз көп, Гүналарыңыз сансыз екенин билемен. Ҳақ адамды жәбирлеп, пара аласыз, Қала дәрўазасындағы ҳүким жыйналысы ўақтында, Бийшараның ҳақын жейсиз!
13 Соның ушын, сондай заманда, Ақыллы адам үнсизлик сақлайды, Себеби бул жаман замандур.
14 Жаманлыққа емес, жақсылыққа умтылың, Сонда сизлер жасайсыз, Солай етип, өзлериңиз айтқандай, Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы сизлер менен бирге болады.
15 Жаманлықты жек көриң, Жақсылықты сүйиң, Қала дәрўазасындағы ҳүким жыйналысында әдалатты тиклең. Мүмкин, Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы, Юсуптиң халқынан аман қалғанларына реҳим қылар.
16 Сонлықтан, Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы, Ийе былай дейди: «Барлық майданларда халық зар жыласады, Барлық көшелерде олар ўай-ўай салысады, Дийханларды аза тутыў ушын, Жоқлаў айтатуғынларды жылаў ушын шақырады.
17 Барлық жүзимзарларда зар жылаў еситиледи, Өйткени Мен араңыздан өтемен». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
18 Жаратқан Ийениң күнин аңсап күтип атырғанлар, ҳәсирет шегесиз! Жаратқан Ийениң ҳүким күнин күтиўдиң не кереги бар? Ол күн жақтылық емес, қараңғылық болады.
19 Сол күни бир адам арысланнан қашса, Алдынан айыў шыққандай болар, Оннан да қашып, үйине аман қайтса, Қолы менен дийўалға сүйенип турғанда, Оны жылан шағып алғандай болар.
20 Жаратқан Ийениң күни қараңғылық емес, жақтылық бола ма? Ол қойыў қараңғылық, онда жақтылық жоқ.
21 Жаратқан Ийе былай дейди: «Байрамларыңызды жек көремен, Олардан жеркенемен, Хош көрмеймен мухаддес жыйналысларыңызды.
22 Жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақаларыңызды, Маған усынсаңыз да, оларды қабыл етпеймен. Семиртилген малларыңыздан татыўлық қурбанлықларын берсеңиз де, Мен оларға нәзеримди де салмайман.
23 Узақластырың Меннен шаўқымлы қосықларыңызды, Тыңламайман арфа менен шерткен сазларыңызды.
24 Оның орнына әдалат ағын суў сыяқлы, Ҳақыйқатлық мәңги ағатуғын дәрьядай ағып турсын.
25 Ҳәй, Израил халқы, шөлде қырық жыл даўамында, Усынған қурбанлықлар ҳәм ғәлле садақаларыңыз Маған ба еди?
26 Патша деп атаған Саккут мүсинин, Жулдыз қудайы деп атаған Кайўан мүсинин, Өзлериңиз ушын ислеп алған усы мүсинлерди алып жүресиз.
27 Және сизлерди Дамасктиң арғы жағына сүргин қыламан». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери, Оның аты – Әлемниң Қудайы.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.