Лука 1 bob

Ҳүрметли Теофил! (1-4), Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы ҳаққында болжаў (5-25), Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар (26-38), Мәриямның Елизабетаға барыўы (39-56), Шомылдырыўшы Яқыяның дүньяға келиўи (57-66), Зекерияның пайғамбаршылық жыры (67-80).

1 Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим.
2 Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди.
3 Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын,
4 мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
5 Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета едию
6 Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди.
7 Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.
8 Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зекерия Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда,
9 руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти.
10 Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11 Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға көринди.
12 Оны көрген Зекерия қорқып, албырап қалды.
13 Бирақ периште оған былай деди: – Қорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң.
14 Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады.
15 Себеби ол Қудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады.
16 Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Жаратқан Ийеси – Қудайға қайтарады.
17 Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18 Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.
19 Периште оған жуўап берип: – Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен.
20 Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21 Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды.
22 Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян көргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сөйлести.
23 Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.
24 Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди.
25 «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
26 Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына,
27 Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди.
28 Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
29 Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды.
30 Периште оған былай деди: – Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң!
31 Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң.
32 Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди.
33 Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34 Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35 Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады.
36 Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды.
37 Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38 Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
39 Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти.
40 Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди.
41 Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып,
42 даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған!
43 Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен?
44 Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди.
45 Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады.
46 Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар.
47 Қутқарыўшым Қудайға руўхым шадланар.
48 Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49 Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес.
50 Ол әўладтан-әўладқа, Өзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51 Өз қолы менен қүдиретин көрсетип, Кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52 Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, Ғәрип-қәсерлерди жоқары көтерди.
53 Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, Бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54 Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша,
55 Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, Хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56 Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
57 Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды.
58 Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти.
59 Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды.
60 Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61 Олар Елизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп,
62 әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63 Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты.
64 Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады.
65 Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады.
66 Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди.
67 Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68 «Израилдың Жаратқан Ийеси – Қудай алғыслансын! Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны қутқарды.
69 Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай,
70 Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди.
71 Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек көриўшилердиң қолынан қутқарды.
72 Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин көрсетип, Өз мухаддес келисимин,
73 бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74 Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып,
75 қорқпастан, өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76 Ал сен, балам, Қүдиретли Қудайдың пайғамбары деп аталасаң. Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77 Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78 Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын,
79 Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80 Ал нәресте өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16