Титус 1 bob

Сәлемнама (1-4), Титустың Криттеги ўазыйпасы (5-16).

1 Қудайдың қулы ҳәм Ийса Масихтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сәлем! Қудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳәм өзлерин Қудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым.
2 Усы исеним ҳәм ҳақыйқатлықты билиў өтирик сөйлемейтуғын Қудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўәде еткен мәңгилик өмирин алыў үмитине тийкарланған.
3 Ўақты келгенде, Қудай Өз сөзин жәриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сөзди жәриялаў ушын Қутқарыўшымыз Қудайдың буйрығы менен тапсырма алдым.
4 Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Әкемиз Қудай ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин!
5 Жуўмақланбай қалған ислерди тәртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳәр бир қалада жәмәәт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим.
6 Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын. Оның балалары да исениўши болып, әдепсиз ҳәм тәрбия көрмеген, деп айыпланбаўы тийис.
7 Себеби жәмәәт жетекшиси Қудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мәскүнемликке берилген, жәнжелкеш, ҳарам пайданы гөзлейтуғын болмаўы тийис.
8 Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳәм өзин тутып билетуғын болыўы керек.
9 Және де, жәмәәт жетекшиси басқаларды дурыс тәлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳәм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды әшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сөзи бойынша ис тутыўы тийис.
10 Өйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пәтиўасыз ҳәм өтирикши көп адамлар бар. Ондай адамлар әсиресе яҳудий топарлары арасында көп.
11 Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар өз ҳарам нәпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нәрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр.
12 Ҳәтте, критлилердиң өз шайыры: «Критлилер бәрқулла өтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳәм жалқаў ашкөзлер болған», – деген еди.
13 Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой
14 ҳәм оларды яҳудийлердиң мәниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма.
15 Пәк адамлар ушын ҳәмме нәрсе пәк. Бирақ, напәк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нәрсе пәк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған.
16 Қудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Қудайдың сөзине қулақ аспайтуғын ҳәм ҳәр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16