Титус 2 bob

Дурыс тәлийматты үйрет! (1-15).

1 Ал саған келсек, сен дурыс тәлиймат бойынша тәлим бер.
2 Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳәм ҳүрметке миясар болыўды, өзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳәм сабырлылықта беккем болыўды үйрет.
3 Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет.
4 Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер,
5 мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
6 Жас ер адамларға да өзлерин тыйып билиўди нәсият ет.
7 Жақсы ислер ислеп, оларға ҳәр бир нәрседе өрнек бол. Тәлим бергениңде ҳадал ҳәм салдамлы болып,
8 ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сөзлерди сөйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нәрсе айта алмағанлықтан уялып қалады.
9 Қулларға хожайынларына ҳәр бир нәрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сөйлемей
10 ҳәм урлық ислемей, толық садықлық көрсетиўди үйрет. Сонда олар Қутқарыўшымыз Қудайдың тәлийматына ҳәр тәреплеме жақсы ат келтиреди.
11 Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди.
12 Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолына ылайықлы өмир сүриўди үйретеди.
13 Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди.
14 Ийса Масих ҳәр бир гүнамыздың төлемин өтеп қутқарыў ушын ҳәм бизлерди тазалап, Өзине тийисли ҳәм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Өзин бизлер ушын қурбан етти.
15 Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳәм кейи. Өзиңди ҳеш кимге кемситпе.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.