2 Жылнама 1 bob

Сулайманның даналық сораўы(1-13). Патша Сулайманның күши ҳәм байлығы(14-17). 

1 Даўыт улы Сулайман өз патшалығын беккемлеп алды. Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, мәртебесин жүдә жоқарылатты.
2 Бир күни Сулайман пүткил Израил халқын – мыңбасыларды, жүзбасыларды, бийлерди, Израилдың барлық көсемлерин ҳәм әўлад басшыларын шақыртты.
3 Сулайман жыйналғанларды ертип, Гибон қаласындағы сыйыныў орнына жол алды. Қудайдың Ушырасыў шатыры сол жерде болып, оны Жаратқан Ийениң қулы Муўса шөлде тиккен еди.
4 Даўыт Қудайдың Келисим сандығын қойыў ушын Ерусалимде бир шатыр тигип, сандықты Кирят-Яримнен сол шатырға алып барған еди.
5 Бирақ Хурдың ақлығы Урийдиң улы Бесалел қурған қоладан исленген қурбанлық орын еле Гибондағы Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының алдында турған еди. Сулайман ҳәм жыйналған халық Қудайдың еркин билиў ушын сол жерге барды.
6 Сулайман Жаратқан Ийениң алдында Ушырасыў шатырының алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға көтерилип, онда мың бас малды жандырып қурбанлыққа берди.
7 Сол түни Қудай Сулайманға көринип, оған: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен! – деди.
8 Сулайман Қудайға былай деди: – Әкем Даўытқа үлкен жақсылық ислеп, мени оның орнына патша етип қойдың.
9 Енди Қудайым, Жаратқан Ийе, әкем Даўытқа берген ўәдеңди орынла! Ақыры, Сен мени жердиң шаңындай көп болған халық үстинен патша етип қойдың.
10 Бул халықты басқара алыўым ушын, маған даналық ҳәм билим бер. Болмаса, бул уллы халқыңа ким ҳүкимдарлық қыла алады?
11 Қудай Сулайманға былай деди: – Демек жүрегиңниң қәлеўи усы. Сен байлық, мал-мүлик, даңқ-атақ яки душпанларыңа өлим тилемедиң, ҳәтте, өзиң ушын узақ өмир де сорамадың. Қайтама, сени патша етип қойған халқымды басқарыў ушын даналық ҳәм билим сорадың.
12 Сонлықтан саған даналық ҳәм билим бериледи. Буған қоса, саған дейинги ҳеш бир патша көрмеген ҳәм сеннен кейин де ҳеш бир патша көрмейтуғын байлық, мал-мүлик ҳәм даңқ-атақ беремен.
13 Сулайман Гибондағы Ушырасыў шатыры орналасқан сыйыныў орнынан Ерусалимге келди ҳәм Израил үстинен ҳүкимдарлық қыла баслады.
14 Сулайман саўаш арбалары менен атларды көбейтти. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары сақланатуғын қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
15 Патша Ерусалимде гүмис пенен алтынды әпиўайы тасларға тең қылып қойды, ал кедр ағашын батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашы сыяқлы мол етти.
16 Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди.
17 Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил хеттлер менен арамлардың патшаларына сатылатуғын еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16