Юхан жазған Хош Хабар 1 bob

19 Шомылдырыўшы Яқыяның гүўалығы. 29 Қудайдың Қозысы. 35 Ийсаның дәслепки шәкиртлери. 

1 Ең баста Сѳз бар еди. Сѳз Ќудай менен бирге еди. Сѳз Ќудай еди.
2 Ең бастан-ақ Ол Ќудай менен бирге еди.
3 Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес.
4 Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди.
5 Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
6 Ќудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди.
7 Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди.
8 Оның ѳзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди.
9 Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.
10 Сѳз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады.
11 Ѳз жерине келди, бирақ Ѳз халқы Оны қабыл етпеди.
12 Бирақ Ол Ѳзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Ќудайдың балалары болыў ҳуқықын берди.
13 Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Ќудайдан туўылды.
14 Сѳз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Єкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын кѳрдик.
15 Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди: – «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы.
16 Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық.
17 Ѳйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих арқалы келди.
18 Ҳеш ким ҳеш қашан Ќудайды кѳрген емес. Бирақ Оны Єкениң қушағындағы Ѳзи Ќудай болған жалғыз Ул танытты.
19 Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды.
20 Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады.
21 Олар және Яқыядан: – Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады. – Ол емеспен, – деди Яқыя. – Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар. – Яқ, – деп жуўап берди ол.
22 Сонда олар Яқыяға: – Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Ѳзиң ҳаққында не дейсең? – деди.
23 Яқыя: – Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер», – деп шѳлде бақырған даўыспан, – деди.
24 Парисейлерден жиберилгенлер Яқыядан:
25 – Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады.
26 Яқыя оларға былай деп жуўап берди: – Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты.
27 Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
28 Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.
29 Ертеңине Яқыя ѳзине қарай киятырған Ийсаны кѳргенде былай деди: – Мине, Бул – дүньяның гүнасын Ѳзине алатуғын Ќудайдың Ќозысы!
30 «Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы.
31 Мениң ѳзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға келдим.
32 Яқыя гүўалық берип және былай деди: – Мухаддес Руўхтың кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын кѳрдим.
33 Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Ќудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын кѳрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди.
34 Мен буны кѳрип: «Бул – Ќудайдың Улы» деп гүўалық бердим.
35 Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди.
36 Ол ѳтип баратырған Ийсаны кѳрип: – Мине, Ќудайдың Ќозысы! – деди.
37 Еки шәкирт оның бул сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерди.
38 Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды кѳргенде, олардан: – Не излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Ќай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.)
39 – Келип кѳриңлер, – деди Ийса. Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын кѳрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат тѳртлер шамасында еди.
40 Яқыяның сѳзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди.
41 Андрей дәслеп ѳз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған: – Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Ќудай ўәде еткен Ќутқарыўшы.)
42 Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап: – Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.)
43 Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған: – Изиме ер, – деди.
44 Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди.
45 Филип Натаниелди таўып, оған: – Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди.
46 Натаниел оған: – Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди. – Келип кѳр, – деди Филип.
47 Ийса Натаниелдиң Ѳзине жақынласып киятырғанын кѳрип, ол ҳаққында былай деди: – Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
48 Натаниел Ийсадан: – Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады. – Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында кѳрдим, – деп жуўап берди Ийса.
49 Натаниел Ийсаға: – Устаз, Сен Ќудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
50 Ийса оған: – Сени әнжир ағашының астында кѳргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди кѳресең! – деди.
51 Ийса және: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Ќудайдың периштелериниң Адам Улының жоқарысында минип-түскенлерин кѳресизлер, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar



Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)


















Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16