Юханның екинши хаты 1 bob

1 Ҳақыйқат ҳәм сүйиспеншилик.

1 Мен, Юхан ақсақалдан, Кудай тєрепинен таңланған ханымға ҳєм оның балаларына сєлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳєммеси де сизлерди сүйеди.
2 Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳєм ол бизлер менен мєңги бирге болады.
3 Єкемиз Кудайдан ҳєм Єкениң Улы Ийса Масихтан келген мийрим, реҳим ҳєм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳєм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
4 Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Єкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым.
5 Енди сеннен ѳтинемен, қымбатлы ханым, ҳєммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер єўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман.
6 Сүйиспеншилик – бул Кудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Єўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
7 Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алмайтуғын кѳплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳєм Масихқа қарсы турыўшы.
8 Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар.
9 Масихтың тєлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Кудай жоқ. Оның тєлийматы менен жасайтуғын адамда ҳєм Єке, ҳєм Ул бар.
10 Егер ким де ким сизлерге келип, бул тєлийматты єкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сєлем де бермеңлер.
11 Ѳйткени оған сєлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.
12 Сизлерге жазатуғын кѳп нєрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қєлемеймен. Куўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сѳйлесемен деген үмиттемен.
13 Кудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сєлем айтып атыр.
  • 1


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.