Титусқа жазылған хат 1 bob

1 Сәлемнама. 5 Титустың Криттеги ўазыйпасы. 

1 Кудайдың қулы ҳєм Ийса Масихтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сєлем! Кудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳєм ѳзлерин Кудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым.
2 Усы исеним ҳєм ҳақыйқатлықты билиў ѳтирик сѳйлемейтуғын Кудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўєде еткен мєңгилик ѳмирин алыў үмитине тийкарланған.
3 Ўақты келгенде, Кудай Ѳз сѳзин жєриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сѳзди жєриялаў ушын Кутқарыўшымыз Кудайдың буйрығы менен тапсырма алдым.
4 Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Єкемиз Кудай ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин!
5 Жуўмақланбай қалған ислерди тєртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳєр бир қалада жємєєт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим.
6 Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын. Оның балалары да исениўши болып, єдепсиз ҳєм тєрбия кѳрмеген, деп айыпланбаўы тийис.
7 Себеби жємєєт жетекшиси Кудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мєскүнемликке берилген, жєнжелкеш, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын болмаўы тийис.
8 Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳєм ѳзин тутып билетуғын болыўы керек.
9 Жєне де, жємєєт жетекшиси басқаларды дурыс тєлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳєм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды єшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сѳзи бойынша ис тутыўы тийис.
10 Ѳйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пєтиўасыз ҳєм ѳтирикши кѳп адамлар бар. Ондай адамлар єсиресе яҳудий топарлары арасында кѳп.
11 Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар ѳз ҳарам нєпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нєрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр.
12 Ҳєтте, критлилердиң ѳз шайыры: «Критлилер бєрқулла ѳтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳєм жалқаў ашкѳзлер болған», – деген еди.
13 Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой
14 ҳєм оларды яҳудийлердиң мєниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма.
15 Пєк адамлар ушын ҳємме нєрсе пєк. Бирақ, напєк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нєрсе пєк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған.
16 Кудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Кудайдың сѳзине қулақ аспайтуғын ҳєм ҳєр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar



Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)


















Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16