Хабаққуқ 1 bob

Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге нала шегиўи (2-4), Жаратқан Ийениң жуўабы (5-11), Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге және нала шегиўи (12-17).

1 Бул пайғамбаршылық сөз – Хабаққуқ пайғамбарға аян арқалы берилген хабар.
2 Жаратқан Ийе, қашанға дейин Сени жәрдемге шақыраман, Маған қулақ саласаң ба, өзи? «Зорлық-зомбылық!» деп жалбарынып атырман, Бирақ бизлерди қутқармай атырсаң Сен!
3 Не ушын жаўызлықты көзим менен көриўиме жол қойдың? Сондай наҳақлыққа қалай қарап турыпсаң? Қаяққа қарасам да талан-таражлық ҳәм зорлық-зомбылық. Ҳәмме жерде даў ҳәм жәнжеллер толып кетти
4 Сонлықтан нызам өз күшин жойтып, әдиллик аяқ асты болды, Жаўызлар әдил адамлардан үстин келди, Солай етип, әдиллик бурмаланды.
5 Кейин Жаратқан Ийе былай деди: «Дыққат пенен қараңлар басқа халықларға, Таң қаласызлар көргенлериңизге. Сизлердиң дәўириңизде сондай ислер қыламан, Еситкен ўақтыңызда, исене алмайсызлар.
6 Мине, Мен бабилонлыларды күшли қыламан, Бул халық жаўыз ҳәм тынымсыз. Олар дүньяның төрт тәрепине жүрис қылады, Басқа халықларға тийисли жерлерди басып алады.
7 Олар қорқынышлы ҳәм қәўиплидур, Өзине хан, өзине бий болған менмен халықдур.
8 Олардың атлары қапланнан тез, Түнде жүретуғын аш қасқырлардан да қәўиплидур. Атлы әскерлери жерди шаңғытып, узақтан келер, Олжасына тасланатуғын бүркит яңлы ушып келер.
9 Олардың ҳәммеси киятыр тонаў ушын, Ордалары шөл қуйынындай алға талпынып, Олар қум жыйнағандай тутқынларды жыйнап келер.
10 Патшаларды мазақлап, басшыларды масқара қылады, Қорғанлы, беккем қалалардың үстинен күледи, Сол қалалардың дийўалларына қыя етип, топырақ үйип, Кейин оларды қолға алады.
11 Соннан кейин, олар самал сыяқлы тез өтип кетеди, Бул гүнакар адамлар өз күшин қудай, деп есаплайды».
12 Жаратқан Ийе, Мухаддес Қудайым, Ҳәмме ўақытта бар болған Сен емессең бе? Солай екен, бизлер жоқ болып кетпеймиз. О, Жаратқан Ийе, бизлерди жазалаў ушын, бабилонлыларды таңладың, О, мениң сүйенген Таўым, жазалаў ҳуқықын соларға бердиң.
13 Жаўызлықты көргиси келмейтуғын сондай пәкдур Сениң көзлериң, Хош көрмейсең Сен наҳақлықты. Не ушын енди усы жаўыз адамларға шыдап атырсаң? Жаўызлар өзлерине қарағанда әдилирек болғанларды жутып атырғанда, Сен қалайынша үнсиз турыпсаң?
14 Сен адамзатты теңиздеги балықлардай, Басшысы жоқ шыбын-ширкейлердей қылдың.
15 Бабилонлылар олардың барлығын өз қармағына түсирер, Тор таслап балық аўлағандай етип, оларды аўлар. Аўлары менен тутып алып, жыйнап алар, Сонда олар қуўанып, шадланар.
16 Аўлары арқалы олар көп олжа алады, Жақсы аўқатлар менен аўқатланады, Сол себепли, аўлары ушын қурбанлықлар шалады. Аўларына арнап, түтетки түтетеди.
17 Қашанға дейин, олар аўлары менен еллерди аўлап, Халықларды аяўсыз өлтириўди даўам етеди?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16