3 Патшалар 1 bob

Патша Даўыттың соңғы жыллары(1-4). Адонияның тахт ушын таласыўы(5-10).Сулайманның патша етип жәрияланыўы(11-53).

1 Патша Даўыт қартайып, бираз жасқа барып қалды. Оның үстине қанша көрпе жаўса да, ол ҳеш ысымады.
2 Сонда хызметшилери Даўытқа: «Тақсыр! Жаныңызда болып сизге қараўы, қойныңызға кирип сизди ысытыўы ушын жас бир қыз табайық», – деди.
3 Хызметшилер пүткил Израилды аралап, сулыў қыз изледи ҳәм шунемли Абишаг деген жас ҳәм сулыў бир қызды таўып, оны патшаға алып келди,
4 Қыз жүдә гөззал еди. Ол патшаға қарап, оған хызмет етти. Бирақ патша қызға жақынласпады.
5 Даўыттың Хаггит деген ҳаялынан туўылған улы Адония: «Мен патша боламан», – деп көкирек көтерип жүрди. Ол өзине саўаш арбаларын, атлыларды ҳәм алдында жуўырып жүретуғын елиў сақшы алды.
6 Әкеси Даўыт ҳеш қашан оған: «Неге булай иследиң?» – деп, оны тәртипке шақырып турмайтуғын еди. Адония Абшаломнан кейин туўылған болып, ол да жүдә сымбаты келискен жигит еди.
7 Адония Серуя улы Иоаб ҳәм руўханий Абиятар менен кеңести ҳәм олар Адонияны қоллап-қуўатлады.
8 Бирақ руўханий Садоқ, Еҳояда улы Беная, пайғамбар Натан, Шимей, Рей ҳәм Даўыттың тән сақшылары Адонияға қосылмады.
9 Адония Рогел булағына жақын жердеги Зохелет тасының жанында қойлар, буғалар ҳәм семиртилген баспақларды қурбанлыққа шалды. Оған өзиниң пүткил туўысқанларын, яғный патшаның улларын ҳәм патшаға хызмет ететуғын барлық яҳудалыларды мирәт етти.
10 Бирақ пайғамбар Натанды, Бенаяны, патшаның тән сақшыларын ҳәм туўысқаны Сулайманды мирәт етпеди.
11 Сонда Натан Сулайманның анасы Бат-Шебаға былай деди: «Хаггиттен туўылған Адонияның өзин өзи патша деп жәриялағанын еситпедиңиз бе? Мырзамыз Даўыттың буннан хабары жоқ.
12 Енди өзиңиздиң ҳәм улыңыз Сулайманның өмирин қутқарып қалыўыңыз ушын сизге бир мәсләҳәт берейин.
13 Барып, патша Даўыттың алдына кириң ҳәм оған: „Тақсыр, меннен соң сениң улың Сулайман патша болып, мениң тахтыма отырады, деп маған ант ишкен жоқ па едиңиз? Онда неге Адония патша болды?“ – деп айтың.
14 Сиз патша менен сөйлесип атырғаныңызда, изиңизше мен де ишке кирип барып, сөзлериңизди тастыйықлайман».
15 Бат-Шеба патшаның жатақ жайына кирди. Патша қатты қартайған болып, шунемли Абишаг оған хызмет етип атырған еди.
16 Бат-Шеба жерге жығылып, патшаға тәжим етти. Патша оннан: – Тилегиң не? – деп сорады.
17 Бат-Шеба оған былай деп жуўап берди: – Тақсыр! Сиз: «Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң аты менен маған ант берген едиңиз.
18 Мине, ҳәзир Адония патша болып алған. Тақсыр, буннан сизиң хабарыңыз жоқ.
19 Ол бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Оған патшаның ҳәмме улларын, руўханий Абиятарды ҳәм сәркәрда Иоабты мирәт етти. Бирақ сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди.
20 Тақсыр, пүткил Израилдың көзи сизде. Олар өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын билдириўиңизди күтип атыр.
21 Болмаса, сиз дүньядан өтип, ата- бабаларыңызға қосылғаныңызда, маған ҳәм улым Сулайманға айып тағылады.
22 Бат-Шеба еле патша менен сөйлесип турғанда, пайғамбар Натан да келди.
23 Патшаға: «Пайғамбар Натан келди», – деп хабарлады. Натан патшаның алдына келди де, ет-бетинен жығылып, тәжим етти.
24 Соңынан Натан былай деди: «Тақсыр, сиз: „Меннен кейин Адония патша болады, тахтыма ол отырады“, – деген бе едиңиз?
25 Ол бүгин барып, бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалып, сизиң барлық улларыңызды, ордадағы әскербасыларды ҳәм руўханий Абиятарды мирәт етти. Ҳәзир ҳәммеси оның менен ишип-жеп: „Жасасын, патша Адония!“ – деп бақырысып атыр.
26 Бирақ Адония мени, руўханий Садоқты, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди.
27 Тақсыр, булардың ҳәммеси сизиң рухсатыңыз бенен болып атыр ма? Не ушын өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын қулларыңыз болған бизлерге билдирмедиңиз?»
28 Патша Даўыт: «Бат-Шебаны маған шақырың!» – деди. Бат-Шеба келип, патшаның алдында турды.
29 Патша Бат-Шебаға былай деди: – Мени барлық бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен:
30 «Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе алдында саған берген антымды бүгин орынлайман.
31 Сонда Бат-Шеба ет-бетинен жығылып, патшаға тәжим етти де: – Мырзам Даўыт патша мәңги жасасын! – деди.
32 Патша Даўыт: «Руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды ҳәм Еҳояда улы Бенаяны маған шақырың», – деди. Олардың ҳәммеси патшаның алдына келгенде,
33 патша оларға былай деди: «Мениң хызметкерлеримди жаныңызға алың ҳәм улым Сулайманды мениң ғашырыма миндирип, Гихон булағына апарың.
34 Ол жерде руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан оны майлап, Израилға патша етип қойсын. Кейин кәрнай шалып: „Жасасын, патша Сулайман!“ – деп жар салың
35 Соңынан оның изине ерип, қайтып келиң. Ол келип, мениң тахтыма отырады ҳәм мениң орныма патша болады. Мен оны Израил ҳәм Яҳудаға ҳүкимдар етип тайынладым».
36 Еҳояда улы Беная патшаға жуўап берип былай деди: «Аўмийин. Тақсыр, сизиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе де бул қарарды қоллап- қуўатласын.
37 Жаратқан Ийе сиз бенен бирге болғаны сыяқлы, Сулайман менен де бирге болсын ҳәм оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!»
38 Руўханий Садоқ, пайғамбар Натан, Еҳояда улы Беная ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар Сулайманды патша Даўыттың ғашырына миндирип, оны Гихонға алып барды
39 Руўханий Садоқ Мухаддес шатырдан зәйтүн майы қуйылған шақты алып, Сулайманның басына май қуйды. Соңынан олар кәрнай шалды ҳәм ҳәмме адамлар: «Жасасын, патша Сулайман!» – деп бақырды.
40 Халық Сулайманның изине ерип кетти. Олардың сырнай шалып, уллы қуўаныш пенен бақырысқан даўысларынан жер титиреди.
41 Адония ҳәм оның жанындағы қонақлар енди аўқатларын жеп болғанда, усы даўысты еситти. Иоаб кәрнай даўысын еситкенде: «Қаланы ләрзеге келтирип атырған бул не шаўқым екен?» – деди.
42 Ол еле сөйлеп турғанда, руўханий Абиятардың улы Ионатан келип қалды. Адония оған: – Ишке кир, сен өзиң садық адамсаң, алып келген хабарың да жақсы болса керек, – деди.
43 Ионатан оған былай деп жуўап берди: – Яқ, бул рет басқаша. Мырзамыз Даўыт патша Сулайманды патша етип қойды.
44 Патша руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшыларды Сулайманға қосып жиберди. Олар Сулайманды патшаның ғашырына миндирди.
45 Гихонда Сулайман руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан тәрепинен майланып, патша етип қойылды. Олар сол жерден қуўаныш пенен қайтып келди ҳәм қала жанланып кетти. Еситип турғаныңыз олардың даўыслары.
46 Сулайман ҳәзир патшалық тахтында отырыпты.
47 Буннан тысқары, патшамыз Даўытты қутлықлаўға келген хызметшилери: «Қудайыңыз Сулайманның атын сизиң атыңыздан атақлырақ, ал оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!», – дегенде, патша төсегинде жатып, тәжим етип:
48 «Бүгин көзимниң тирисинде урпағымнан бирин тахтыма отырғызғаны ушын Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» – деди.
49 Сонда Адонияның қонақларының ҳәммесин қорқыў басып, орынларынан турды да, ҳәр бири өз жолына түсти.
50 Адония болса, Сулайманнан қорққанынан орнынан турды да, қурбанлық орынға барып, оның шақларына жабысты.
51 Буны Сулайманға хабарлап: – Адония сизден қорқып, қурбанлық орынның шақларына жабысып алған. Ол: «Дәслеп патша Сулайман қулы болған мени қылыш пенен өлтирмейтуғынын айтып ант ишсин», – деп атыр, – деди.
52 Сулайман оларға: – Егер ол маған садық адам болса, оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Ал егер ишинде қандай да бир жаманлық бар болса, онда ол өлтириледи, – деп жуўап берди.
53 Соңынан патша Сулайман жиберген адамлар Адонияны қурбанлық орыннан алып келди. Адония келип, патша Сулайманға тәжим етти. Сулайман оған: «Үйиңе бар», – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16