Яҳуда 1 bob

Сәлемнама (1-2), Гүна ҳәм жаза (3-16), Ақыл-нәсиятлар (17-25).

1 Мен, Ийса Масихтың қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масихтың Өзи сизлерди сақлап келмекте.
2 Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик молмол етип берилсин!
3 Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди исениўшилерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым.
4 Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масихты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған.
5 Булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Қудай Өз халқын Мысыр елиндеги қулшылықтан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти.
6 Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де Қудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты.
7 Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды.
8 Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди.
9 Ҳәтте, бас периште Михаил де Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Қудайдың Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди.
10 Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады.
11 Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Билам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Корей сыяқлы қозғалаң көтерип, набыт болады.
12 Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар ишекке түскен қурт сыяқлы қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жамғырсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды.
13 Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур.
14 Адам-атаның жетинши әўлады болған Енок усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди:
15 «Мине, Ийемиз ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын, қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин, Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын, Өзиниң мың-мыңлаған мухаддеслери менен келеди».
16 Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.
17 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер.
18 Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады»*, – деген еди.
19 Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар.
20 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер.
21 Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масихтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер.
22 Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар.
23 Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға сақлық пенен реҳимлилик көрсетиңлер. Ал олардың гүналарынан болса, жеркениңлер.
24 Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли.
25 Ийемиз Ийса Масих арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын! Аўмийин.
  • 1



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16