Эстер 1 bob

Ахашўероштың зыяпатлары(1-8). Ханбийке Ўаштийдиң тажынан айырылыўы(9-22). 

1 Бул ўақыя патша Ахашўероштың дәўиринде болған еди. Ахашўерош Ҳиндистаннан Кушқа шекем созылған бир жүз жигирма жети ўәлаяттың үстинен патшалық ететуғын еди.
2 Сол ўақытта патша Ахашўерош Суза қорған қаласындағы тахтына отырып ел басқарды.
3 Ол патшалығының үшинши жылында өзиниң барлық беклери ҳәм хызметшилери ушын зыяпат берди. Персия ҳәм Мидия әскербасылары, ақсүйеклер ҳәм бир жүз жигирма жети ўәлаяттың басшылары оның алдына келди.
4 Көп күнлер, яғный бир жүз сексен күн даўамында Ахашўерош өз патшалығының шексиз байлығын, уллылығының сулыўлығын ҳәм салтанатын көрсетти.
5 Сол күнлер тамам болғаннан кейин, патша Суза қаласындағы халықтың үлкен-кишисине арнап, өз сарайының бағ ҳәўлисинде жети күн зыяпат берди.
6 Ҳәўлиниң мәрмер бағаналарына орнатылған гүмис халқаларға шым қызыл ҳәм ҳасыл зығыр арқанлар менен байланған ақ ҳәм қызғыш көк реңли гезлемелер илдирилген еди. Мәрмер ҳәм ҳәр түрли реңдеги таслар төселген ҳәўлиде алтын ҳәм гүмис орынлықлар орнатылған еди.
7 Шараплар бир-биринен айрықша болған ҳәр түрли алтын ыдысларда берилди. Патшаның байлығына жараса, оның шарабы да мол болды.
8 Патшаның буйрығы бойынша, ҳеш ким қонақларды шарап ишиўге мәжбүрлемеди. Себеби патша сарай хызметшилерине ҳәр бир қонақтың тилегин орынлаўды буйырған еди.
9 Сол ўақытта ханбийке Ўаштий де патша Ахашўероштың сарайында ҳаяллар ушын зыяпат берип атырған еди.
10 Жетинши күни шарап ишип кеўли көтерилген патша өзиниң Меҳуман, Бизта, Харбона, Бигта, Абагта, Зетар ҳәм Каркас атлы жети ақтасына
11 ханбийке Ўаштийге таж кийдирип, алдына алып келиўди буйырды. Патша халыққа ҳәм беклерге оның қаншелли гөззал екенин көрсетпекши болды. Себеби ханбийке Ўаштий жүдә сулыў еди.
12 Бирақ ханбийке Ўаштий ақталардың патшадан әкелген буйрығын орынлаўдан бас тартып, келиўди қәлемеди. Патшаның буған қатты ашыўы келип, ғәзеби қайнап кетти.
13 Патша заманның бағытын билетуғын данышпан адамлар менен сөйлести. Өйткени ол өз ислерин нызам ҳәм қағыйдаларды билетуғынлардың ҳәммеси менен кеңесип ислейтуғын еди.
14 Сол ўақытта патшаның жақынлары болған Каршена, Шетар, Адмата, Таршиш, Мерес, Марсена ҳәм Мемухан атлы Персия ҳәм Мидияның жети ўәзири бар еди. Патшалықта жоқары мәртебеге ийе болған усы адамлар патша менен жүзбе-жүз көрисе алатуғын еди.
15 Патша олардан: – Мениң ақталарым арқалы айтқан буйрығымды орынламағаны ушын, нызам бойынша ханбийке Ўаштийге не ислеў керек? – деп сорады.
16 Сонда патша ҳәм ўәзирлердиң алдында Мемухан былай деп жуўап берди: – Ханбийке Ўаштий тек патшаға қарсы емес, ал барлық беклерге ҳәм патшаның қолы астындағы пүткил ўәлаятлардағы халықлардың ҳәммесине қарсы айып иследи.
17 Себеби ханбийкениң ислеген иси туўралы ҳәмме ҳаяллар еситкенде: «Патша Ахашўерош ханбийке Ўаштийди алдына алып келиўди буйырғанда, ханбийке бармапты», – деп айтып жүреди ҳәм күйеўлерин менсинбей қояды.
18 Бүгин ханбийкениң усы иси туўралы еситкен Персия ҳәм Мидия ақсүйеклериниң ҳаяллары да өз күйеўлерине сондай қатнаста болады ҳәм ортадағы менсинбеўшиликлер менен кеўил қалыспақлардың шеги болмайды.
19 Егер патшамыз мақул көрсе: «Ўаштий енди патша Ахашўероштың алдына келмесин, ҳәм оның ханбийке деген абырайы оннан гөре жақсырағына берилсин», – деген пәрман шығарсын. Бул пәрман Персия ҳәм Мидияның ҳеш қашан өзгертилмейтуғын нызамларына қосымша етип жазып қойылсын.
20 Патшалықтың үлкен болыўына қарамастан, патшаның бул пәрманы пүткил патшалықтың ҳәмме жерине жетип барғанда, бай ҳәм кәмбағал ҳаяллардың ҳәммеси өз күйеўлерин ҳүрмет ететуғын болады.
21 Бул гәп патшаға да, ўәзирлерге де мақул түсти. Патша Мемуханның айтқанындай иследи.
22 Ол өз қолы астындағы барлық ўәлаятларға хат жиберди. Хат ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде жазылған болып, онда: «Ҳәр бир еркек өз үйиниң хожайыны болсын ҳәм өз ана тилинде сөйлесин», – деп жазылған еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16