Эстер 3 bob
1 Бул ўақыядан кейин патша Ахашўерош Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманды жоқары лаўазымға тайынлап, оның мәртебесин көтерди. Оны барлық ўәзирлерден де жоқары бийликке ийе қылды.
2 Патшаның буйрығы бойынша, патша сарайындағы хызметшилердиң ҳәммеси Ҳаманға тәжим етип, жерге дейин ийилетуғын еди. Бирақ Мордохай оған тәжим етпеди де, жерге дейин ийилмеди де.
3 Патша сарайындағы хызметшилер Мордохайдан: «Сен не ушын патшаның буйрығына бойсынбай атырсаң?» – деп сорады.
4 Олар бул сөзди ҳәр күни қайталаса да, Мордохай оларды тыңламады. Сонлықтан олар буны Ҳаманға жеткизди. Себеби Мордохай оларға өзиниң яҳудий екенин айтқан еди ҳәм олар Мордохайдың усылай ислеўди даўам ететуғынын ямаса етпейтуғынын көргиси келди.
5 Ҳаман Мордохайдың өзине тәжим етип, жерге дейин ийилмегенин көргенде, ашыўдан түтеп кететуғын еди.
6 Ҳаман Мордохайдың тек бир өзин өлтириўди ғана ойлап қоймай, Мордохайдың қайсы халықтан екенин билгенликтен, Ахашўероштың пүткил патшалығындағы барлық яҳудийлерди, яғный Мордохайдың пүткил халқын қырып таслаўға қарар етти.
7 Ахашўероштың патшалығының он екинши жылының биринши айында, Нисан айында бул исти әмелге асыратуғын күн ҳәм айды белгилеў ушын Ҳаманның алдында пур, яғный шек тасланды. Шек он екинши айға, Адар айына түсти.
8 Соңынан Ҳаман патша Ахашўерошқа былай деди: – Патшалығыңыздағы барлық ўәлаятлардағы халықлар арасына жайылып, тарап кеткен бир халық бар. Олардың нызамлары басқа барлық халықлардың нызамларынан өзгеше болып, олар патшамыздың нызамларына бойсынбайды. Оларды өз билдигинше қалдырыў патшамыздың мәртебесине зыян тийгизеди.
9 Егер патшамыз мақул көрсе, оларды қырып таслаў ушын пәрман шығарсын. Мен бул исти орынлағанларға төлеў ушын патша қазнасына он мың талант гүмис беремен.
10 Сонда патша қолындағы мөр жүзигин шешип, пәрманды тастыйықлаў ушын, яҳудийлердиң душпаны, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманға берди.
11 Патша оған: – Гүмис өзиңде қалсын. Сол халыққа қәлегениңди исле, – деди.
12 Биринши айдың он үшинши күни патшаның хаткерлери шақырылды. Ҳаманның ҳәмме буйрықлары патшаның найыпларына, барлық ўәлаятлардың ҳәкимлерине, барлық халықлардың беклерине, ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде патша Ахашўероштың атынан жазылып, оның мөр жүзиги менен тастыйықланды.
13 «Яҳудийлердиң ҳәммеси: жасы ҳәм ғаррысы, ҳаял ҳәм бала-шағасы он екинши айдың, Адар айының он үшинши күни, бир күнде өлтирилип, жоқ қылынсын, қырып тасланып, мал-мүлки талан-тараж қылынсын», – деген патшаның хаты патшалықтың пүткил ўәлаятларына шабарманлар арқалы жиберилди.
14 Бул пәрманның көширмеси ҳәр бир ўәлаятта нызам сыпатында жәрияланып, барлық халықларға билдирилиўи тийис болды. Себеби ҳәмме белгиленген сол күнге таяр болып турыўы керек еди.
15 Шабарманлар патшаның буйрығы менен асығыс жолға шықты. Пәрман Суза қаласында да жәрияланды. Қала халқы албырасып атырған ўақытта патша менен Ҳаман отырып алып, шарап ишти.



































