Ешуа 1 bob

Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығы (1-9). Ешуаның халыққа берген буйрығы (10-18).

1 Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаның өлиминен соң, оның жәрдемшиси Нун улы Ешуаға былай деди:
2 – Мениң қулым Муўса өлди. Қәнекей, енди сен пүткил халық пенен бирге Иордан дәрьясын кесип өтип, Мен сизлерге, яғный Израил халқына беретуғын елге кириңлер.
3 Муўсаға айтқанымдай, аяғыңыз тийген барлық жерлерди сизлерге беремен.
4 Сизлердиң жер шегараңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанонға дейин, шығыстағы уллы Евфрат дәрьясынан пүткил хеттлердиң ели арқалы батыстағы Жер Орта теңизине дейин созылған болады.
5 Өмириң бойы ҳеш ким саған қарсы тура алмайды. Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, Мен сениң менен де бирге боламан. Сени ҳеш қашан қалдырмайман ҳәм таслап кетпеймен.
6 Күшли ҳәм мәрт бол. Себеби Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди бул халық ийелеўи ушын, сол жерди оларға сен алып бересең.
7 Тек күшли ҳәм жүдә мәрт болып, қулым Муўсаның саған буйырған пүткил Нызамын муқыятлы түрде орынла. Қай жерге барсаң да, табысқа ийе болыўың ушын, бул Нызамнан узақлама ҳәм оннан я оңға, я солға аўып кетпе.
8 Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.
9 Саған күшли ҳәм мәрт бол демеген бе едим? Қорқпа ҳәм руўхыңды түсирме. Өйткени Қудайың Жаратқан Ийе сен баратуғын ҳәр бир жерде сениң менен бирге болады.
10 Солай етип, Ешуа халық қадағалаўшыларына былай деп буйырды:
11 – Орданы аралап шығып, халыққа мына буйрықты бериңлер: «Өзлериңизге азық-аўқат таярлаңлар. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын жерине кирип, оны меншик етип ийелеў ушын, үш күннен соң, Иордан дәрьясын кесип өтесизлер».
12 Ал Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына былай деди:
13 – Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул жерди сизлерге берип, сизлерди тынышлыққа еристиреди», – деген сөзлерин еске түсириңлер.
14 Сизлердиң ҳаялларыңыз, балаларыңыз ҳәм малларыңыз усы жерде, яғный Иордан дәрьясының шығысында, Муўсаның сизлерге берген жеринде қалсын. Бирақ сизлер, яғный пүткил жаўынгерлер қуралланып, туўысқанларыңыздан алдын дәрьяны кесип өтиңлер ҳәм оларға жәрдем бериңлер.
15 Жаратқан Ийе сизлерди тынышлыққа еристиргени сыяқлы, оларды да тынышлыққа еристиреди. Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң беретуғын жерин мүлик етип алғаннан соң, сизлер де мүлик етип алған жерлериңизге, Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының шығысындағы сизлерге берген жерине қайтып, усы жерге орналасыңлар.
16 Олар Ешуаға былай деп жуўап берди: – Бизлерге буйырғанларыңның ҳәммесин орынлаймыз. Қай жерге жиберсең де, барамыз.
17 Ҳәр бир нәрседе Муўсаның сөзине бойсынғанымыз сыяқлы, сениң сөзиңе де бойсынамыз. Муўса менен бирге болған Қудайың Жаратқан Ийе сениң менен де бирге болсын.
18 Сөзиңе қарсы шыққан ҳәм қандай да бир буйрығыңа бойсынбаған адамға өлим жазасы бериледи. Тек сен күшли ҳәм мәрт бол.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16