Эзра 1 bob

Кирдиң сүргинде болғанлардың қайтыўына рухсат бериўи(1-11).

1 Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:
2 «Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды.
3 Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адамға Қудайы яр болсын! Енди олар Яҳуданың Ерусалим қаласына барып, Ерусалимдеги Қудайдың, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта қурсын.
4 Ҳәзир тири қалған яҳудийлер жасап атырған жерлердиң турғынлары оларды гүмис, алтын, буйым ҳәм маллар менен тәмийинлеў менен бирге, Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасы ушын ықтыярлы садақалар берсин“».Ҳәзир тири қалған яҳудийлер жасап атырған жерлердиң турғынлары оларды гүмис, алтын, буйым ҳәм маллар менен тәмийинлеў менен бирге, Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасы ушын ықтыярлы садақалар берсин“».
5 Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының урыўбасылары, руўханийлер, лебийлилер ҳәм Қудай тәрепинен руўхландырылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыў ушын кетиўге таярланды.
6 Ҳәмме қоңсылары ықтыярлы садақаларға қоса, оларға гүмис буйымлар, алтын, мал-мүликлер ҳәм қымбатбаҳа нәрселер берип, жәрдем қолларын созды.
7 Патша Кирдиң өзи Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған затларды, яғный Набуходоносордың Ерусалимнен алып келип, өз қудайының үйине қойған затларын ол жерден шығартты.
8 Персия патшасы Кир оларды қазнашы Митредатқа әкелдирип, Яҳуда ҳәкими Шешбассарға санап тапсыртты.
9 Олардың есабы мынадай еди: Алтын ыдыс – 30 дана, Гүмис ыдыс – 1000 дана, Пышақ – 29 дана,
10 Алтын тостаған – 30 дана, Жуп гүмис тостаған – 410 дана, Басқа буйымлар – 1000 дана.
11 Алтын ҳәм гүмис буйымлардың барлығы 5400 дана еди. Сүргин етилгенлер Бабилоннан Ерусалимге қайтарылғанда, Шешбассар бул ыдысларды өзи менен бирге алып қайтты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16