Галатиялылар 1 bob

Сәлемнама (1-5), Хош Хабар жалғыз (6-10), Павел қалай Масихтың елшиси болды (11-24).

1 Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен,
2 Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем!
3 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4 Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти.
5 Қудайымызға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
6 Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман.
7 Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.
8 Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!
9 Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!
10 Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим.
11 Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен.
12 Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Өзи аян арқалы билдирди.
13 Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим.
14 Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрпәдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим.
15 Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды.
16 Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым.
17 Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскқа қайтып келдим.
18 Соңынан үш жыл кейин Петр менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым.
19 Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана көрдим.
20 Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман.
21 Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим.
22 Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди.
23 Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип,
24 мен ушын Қудайды алғыслаған еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16