Зехария 1 bob

Ийениң халқын Өзине қайтарыў ушын шақырыўы (1-6), Биринши аян: Атлар ҳәм атлылар (7-17), Екинши аян: Төрт мүйиз ҳәм төрт темирши (18-21).

1 Дарийдиң патшалығының екинши жылының сегизинши айында, Иддоның ақлығы, Берехияның улы пайғамбар Зехарияға Жаратқан Ийеден мына сөзлер түсти:
2 – Мен, Жаратқан Ийе, ата-бабаларыңызға қатты ғәзепленген едим.
3 Сонлықтан халыққа айт, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Маған қайтың, Мен де сизлерге қайтаман». Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады.
4 «Ата-бабаларыңыз сыяқлы болмаң! Алдынғы пайғамбарлар Әлемниң Жаратқан Ийесиниң атынан оларды ескертип: „Жаман жолларыңыздан ҳәм жаўыз қылмысларыңыздан қайтың“ – деген еди. Деген менен, олар қулақ салмады, Маған итибар да бермеди», – дейди Жаратқан Ийе.
5 Қәне сол ата-бабаларыңыз? Пайғамбарлар мәңги-бақый жасай ма?
6 Қулларым пайғамбарлар арқалы буйырған сөзлерим ҳәм қағыйдаларым ата-бабаларыңыздың басына түскен жоқ па? Сонда олар тәўбе қылып: «Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлердиң жүрген жолларымыз бенен ислеген ислеримизге жараса нени нийетлеген болса, соны иследи», – деди.
7 Дарийдиң патшалығының екинши жылында, он биринши айдың, яғный Шебат айының жигирма төртинши күни Иддоның ақлығы, Берехияның улы пайғамбар Зехарияға Жаратқан Ийеден аян арқалы сөз түсти.
8 Түнде мен жырада мирта путалары арасында қызыл атқа минген бир адамды көрдим. Оның артында қызыл, қоңыр ҳәм ақ атлар бар еди.
9 Сонда мениң менен сөйлесип баслаған периштеден: – Мырзам, булар не? – деп сорадым. Ол: – Булардың не екенин саған көрсетемен, – деп жуўап берди.
10 Сонда мирта путалары арасындағы адам да: – Жаратқан Ийе буларды дүньяны гезип шықсын деп жиберди, – деди.
11 Сонда атлылар мирта путалары арасындағы Жаратқан Ийениң периштесин мақуллап: – Дүньяны гезип шықтық, пүткил дүнья тынышлық ҳәм аманлық ишинде! – деди.
12 Сонда Жаратқан Ийениң периштеси: – Әлемниң Жаратқан Ийеси, жетпис жылдан берли Ерусалим ҳәм Яҳуда қалаларына ғәзепленип келдиң. Енди қашанға дейин оларға Өз реҳимиңди көрсетиўден бас тартасаң? – деди.
13 Жаратқан Ийе мениң менен сөйлесип турған периштеге меҳрибан ҳәм жубатыўшы сөзлер менен жуўап берди.
14 Мениң менен сөйлесип турған периште маған мына хабарды жәриялаўды буйырды: – Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ерусалим ҳәм Сионды қатты қызғанаман.
15 Ал бийғам жасап атырған басқа миллетлерге қатты ғәзеплендим. Өйткени Мен халқыма азғантай ашыўланған ўақтымда, олар халқыма қарсы жаўызлық үстине жаўызлық ислеген еди».
16 Соның ушын, Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Ерусалимге мийрим-шәпәәтимди төгиў ушын қайтаман. Мухаддес үйим ол жерде қайта қурылады ҳәм Ерусалимге өлшейтуғын жип тартылады». Бул Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи.
17 Маған және мынаны да жәриялаўды буйырды: – Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мениң қалаларымда және молшылық болады. Мен, Жаратқан Ийе Сионды және жубатаман, Ерусалим және Мениң таңлаған қалам болады».
18 Кейин мен нәзер таслағанымда, төрт мүйизди көрдим.
19 Мениң менен сөйлескен периштеден: – Булар не? – деп сорадым. Ол маған: – Булар Яҳуда, Израил ҳәм Ерусалим халқын тарқатып жиберген мүйизлер, – деп жуўап берди.
20 Соннан соң, Жаратқан Ийе маған төрт темиршини көрсетти.
21 Мен: – Булар не ислейин деп атыр? – деп сорадым. Периште: – Мына мүйизлер Яҳуда халқын бас көтере алмайтуғындай етип тарқатып жиберген еди. Бул темиршилер Яҳуда халқын тарқатыў ушын ҳүжим қылған миллетлерди қорқытып, мүйизлерин қулатыў ушын келди, – деп жуўап берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16