Филимон 1 bob

Сәлемнама (1-3), Филимонның исеними ҳәм сүйиспеншилиги (4-7), Павелдиң Онисим ушын өтиниш етиўи (8-22), Соңғы сәлемнама (23-25).

1 Ийса Масих ушын тутқын болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сәлем!
2 Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз.
3 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4 Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен.
5 Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман.
6 Исенимиңди басқалар менен бөлисиўде тәсирли болыўың ушын, қулласы, Масих арқалы бизлер ийе болатуғын ҳәр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман.
7 Өйткени туўысқаным, сен себепли исениўшилердиң* кеўиллери көтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳәм тәселле берди.
8 Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да,
9 ҳәзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен,
10 ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман.
11 Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды.
12 Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман.
13 Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим.
14 Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди.
15 Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар.
16 Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады.
17 Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет.
18 Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой.
19 Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын.
20 Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масих алдында кеўлимди көтер.
21 Қулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен.
22 Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Өйткени Қудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен.
23 Ийса Масих ушын мениң менен бирге тутқын болған Епафрас саған сәлем айтып атыр.
24 Және де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳәм Лука да саған сәлем жоллап атыр.
25 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын
  • 1



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16