Амос 4 bob

Израил халқының Қудайға қайтып келмеўи (4-13).

1 Ҳәй, Самария таўындағы семиз сыйырлардай болған ҳаяллар, Қулақ салың мына сөзлерге: Кәмбағалларды езесиз, Жарлыларға жәбир бересиз, Күйеўлериңизге: «Ишимлик алып келиң, ишемиз», – дейсиз.
2 Қудай Ийе Өз мухаддеслиги ҳақы ант ишип, былай дейди: «Мине, сизлерди шанышқы менен илдирип, Қалғанларыңызды балықтай қармақ пенен сүйреп кететуғын күнлер келеди.
3 Ҳәр бириңиз бузылған дийўал жарықларынан алып өтилип, Ҳармонға ылақтырыласыз». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
4 «Бейт-Элге барып, гүна ислей бериң, Гилгалға кетип, гүнаңызды көбейтиң! Азанда қурбанлықларыңызды усының, Ҳәр үш күннен оннан бириңизди алып келиң.
5 Ашытқы салынған шөректи миннетдаршылық садақасы етип жандырың, Ықтыярлы садақаларыңызды ҳәммеге жәрия қылың. Себеби усындай қылыўды хош көресиз, ҳәй Израил халқы», – дейди Қудай Ийе.
6 «Соның ушын, барлық қалаларыңызға ашлық жибердим, Жасап атырған ҳәр бир жериңизде нанға зар қылдым, Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
7 «Жыйын-теримге үш ай қалғанда, Мен сизлерге жаўын жаўдырмай қойдым. Бир қалаға жаўын жаўдырдым, Екиншисине жаўдырмадым. Бир атызға жаўын жаўды, Басқасы жаўын жаўмағанлықтан қуўрап қалды.
8 Еки-үш қаланың халқы суў ишиў ушын, Басқа бир қалаға сүйретилип барса да, Олардың шөли қанбады. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
9 «Қайта-қайта егисликлериңизди қуўратып, оларға кеселлик жиберип жазаладым, Шегирткелер бағларыңызды, жүзимзарларыңызды, Және де, әнжир ҳәм зәйтүнлериңизди жеди. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
10 «Мысырда ислегеним сыяқлы, Араңызға оба кеселлигин жибердим, Жигитлериңизди қылыш жүзинен өткердим, Атларыңызды душпанларыңызға бердим, Ордаңыздағы өлилердиң ийисине мурныңызды толтырдым. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
11 «Қудайыңыз болған Мен Содом ҳәм Гомораны қыйратқанымдай, Сизлердиң айырымларыңызды қыйраттым, Сизлер от ишинен шығарып алынған шала жанған ағаштай болдыңыз. Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
12 «Сонлықтан Израил, сени жазалайман, Шынында, саған Мен усыны ислеймен, Қудайыңның ҳүкимине таярлан, ҳәй Израил!»
13 Өйткени таўларды қәлиплестирип, самалды жаратқан, Ой-пикирлерин адамзатқа ашып берген, Таң нурын қараңғылыққа айландырған Ол, Дүньяның ең бийик жерлерин басып жүр, Оның аты Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайыдур.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.