1 Коринфлилер 10 bob

Израил халқының тарийхынан сабақ алыңлар! (1-13), Бутпаразлық ҳаққында (14-22), Ҳәр бир ис-ҳәрекетиңиз арқалы Қудайды даңққа бөлеңлер! (23-33).

1 Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: Қудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳәммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип өткизди.
2 Олардың ҳәммеси булт астында ҳәм теңизде суўға шомылдырыў рәсиминен өткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды.
3 Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди.
4 Және де, олардың ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар өзлери менен бирге болған кәраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди.
5 Деген менен, олардың көбисине Қудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шөлде қалды.
6 Израиллылар сыяқлы жаман нәрселерди қәлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди.
7 Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти» .
8 Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды.
9 Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып өлтирген еди.
10 Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште өлтирген еди.
11 Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳәм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды.
12 Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын!
13 Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.
14 Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар!
15 Мен сизлерге ақыллы адамларға сөйлегендей, сөйлеп атырман. Сөзлеримди өзлериңиз ақылға салып көриңлер.
16 Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба?
17 Нан бир болғанлықтан, бизлер көп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳәммемиз бир нанды бөлисемиз.
18 Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма?
19 Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир әҳмийети бар ма?
20 Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Қудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қәлемеймен.
21 Сизлер ҳәм Ийемиздиң кесесинен, ҳәм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Және де, ҳәм Ийемиздиң дастурханына, ҳәм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар.
22 Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?
23 Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де исенимди жетилистирмейди.
24 Ҳәр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин.
25 Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳәр қандай гөштиң қандай гөш екенин сорамастан жеңлер.
26 Өйткени: «Жер жүзи ҳәм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли» .
27 Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳәм сен де барыўды қәлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳәр бир нәрсени сорамастан же.
28 Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гөши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳәм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме.
29 Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нәзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек?
30 Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?
31 Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер.
32 Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Қудайдың жәмәәтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар.
33 Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha • Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha • Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.