Римлилер 2 bob

Қудайдың әдил ҳүкими (1-16), Яҳудийлер ҳәм Мухаддес Нызам (17-29).

1 Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳәй адам, өзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, өзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳәй ҳүким етиўши адам, өзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо.
2 Сол ислерди ислеўшилерди Қудай әдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз.
3 Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба?
4 Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе?
5 Сен өзиңниң өжетлигиң ҳәм тәўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Қудайдың әдил ҳүкими шығарылатуғын ғәзеп күни ушын, өзиңе қарсы ғәзеп топламақтасаң.
6 Қудай ҳәр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады:
7 үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳәм мәңгиликти излегенлерге Қудай мәңгилик өмир береди.
8 Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғәзеп ҳәм қәҳәрин төгеди.
9 Жаманлық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Қудай қыйыншылық ҳәм қайғы жибереди.
10 Керисинше, жақсылық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳәм тынышлық береди.
11 Өйткени Қудай адамларды айырмайды.
12 Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи.
13 Себеби Қудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады+.
14 Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, өзлери ушын өзлери нызам.
15 Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын көрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳәм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды.
16 Мен жәриялап атырған Хош Хабар бойынша Қудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.
17 Минекей, сен өзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳәм Қудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң.
18 Сен Қудайдың еркин билесең ҳәм Мухаддес Нызамнан тәлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң.
19 Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳәм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, өзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры,
20 адамлардың тәрбияшысы ҳәм гөдеклердиң устазы деп есаплайсаң.
21 Олай болса, басқа биреўге тәлим берип турып, өзиңе неге тәлим бермейсең? Урлық ислемеўди жәриялап, өзиң неге урлық ислейсең?
22 «Бузықшылық ислеме» деп, өзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң?
23 Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Қудайды ҳүрмет етпейсең?
24 Өйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Қудайдың атына тил тийеди».
25 Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес.
26 Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Қудай тәрепинен сүннетлилер, яғный Өзиниң халқы деп есапланбай ма?
27 Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳәм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен?
28 Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳәм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес.
29 Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Және де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тәрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Қудайдың мақтаўын алады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha • Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha • Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.