Римлилер 11 bob

Қудай Израил халқынан жүз бурған жоқ (1-10), Басқа миллетлердиң қутқарылыўы (11-24), Пүткил Израил қутқарылады (25-36).

1 Олай болса, мен мына нәрсени сорап атырман: Қудай Өз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман.
2 Қудай Өзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Қудайға шағым жасап былай деген еди:
3 «Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды өлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де өлтириўге ҳәрекет етпекте».
4 Оған Қудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Өзим ушын ажыратып алдым» .
5 Сол сыяқлы, ҳәзирги ўақытта да израиллылар арасында Қудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар.
6 Олар саўап ислери себепли емес, ал Қудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди.
7 Солай етип, не жүз берди? Израил халқының көпшилик бөлеги излеген нәрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди.
8 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Қудай оларға Өзиниң сөзин түсинбеўи ушын бийпәрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Қөзлери болса да, көрмейди, Қулақлары болса да, еситпейди».
9 Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Қақпанға алынсын ҳәм қулап, жазалансын.
10 Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мәңгиге бүгилип қалсын!»
11 Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Қудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳәм бул арқалы оларда қызғаныш оятты.
12 Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли көп байлық алып келеди!
13 Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен өз хызметимди мәртебели деп есаплайман.
14 Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳәм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен.
15 Өйткени олардың Қудай тәрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Қудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Қудай тәрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, өлимнен өмирге өтиўине себепши болмай ма?
16 Егер қамырдың биринши бөлеги Қудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес.
17 Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң,
18 кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты.
19 Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин.
20 Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ!
21 Себеби Қудай тәбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды.
22 Солай етип, сен Қудайдың мийрим-шәпәәтин ҳәм қаталлығын көрип қой: Қудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шәпәәтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шәпәәтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң!
23 Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа және қайта жалғанады. Өйткени Қудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли.
24 Жабайы зәйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тәбиятқа қарсы түрде жақсы зәйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тәбийғый шақалардың өз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!
25 Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бөлегиниң жүреги тас болып қала береди.
26 Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Қудай Ийемиз былай дейди: „Қутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27 Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“».
28 Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Қудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Қудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди.
29 Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды.
30 Сизлер бир ўақытлары Қудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Қудайдың мийрим-шәпәәтине еристиңлер.
31 Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳәзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерискениңиз себепли, олар да Қудайдың мийрим-шәпәәтине ериседи.
32 Өйткени Қудай ҳәмме адамларды олардың бойсынбайтуғын тәбиятына тутқын қылып, оларға Өз мийрим-шәпәәтин көрсетти.
33 О, Қудайдың байлығы, даналығы ҳәм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды!
34 «Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мәсләҳәтши болған?»
35 «Қудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нәрсе берген?»
36 Себеби Қудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳәммеси Ол арқалы ҳәм Ол ушын бар болған. Оған мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha • Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha • Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.