Мухаддес Китап

2 Патшалар

1. Шаул патша қаза тапқан еди. Сол арада Даўыт амалеклер үстинен жеңиске ерисип, Сиклаг қаласына қайтып келди ҳәм ол жерде еки күн қалды.
2. Үшинши күни Шаулдың ордасынан қайғысының белгиси ретинде кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан бир адам келди. Ол Даўытқа жақынласқаннан жерге жығылып, оған тәжим етти.
3. Даўыт оннан: – Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Сол адам Даўытқа: – Израил ордасынан қашып қутылдым, – деп жуўап берди.
4. Даўыт оған: – Не болды? Маған айтып бер, – деди. Сол адам Даўытқа: – Әскерлер саўаш майданынан қашып кетти. Олардың көпшилиги қырылып қалды. Солардың ишинде Шаул менен оның улы Ионатан да өлди, – деди.
5. Сонда Даўыт хабаршы жигиттен: – Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның өлгенин қаяқтан билесең? – деп сорады.
6. Жигит Даўытқа былай деп жуўап берди: – Тосаттан Гилбоа таўына барып қалдым. Қарасам, ол жерде Шаул найзасына сүйенип турған екен. Ал душпанның саўаш арбалары менен арбакешлери болса, оған жақынласып киятырған екен.
7. Сонда Шаул артына бурылып, мени көрип қалды да, қасына шақырды. Мен оған: «Ләббәй», – дедим.
8. Ол меннен: «Сен кимсең?» – деп сорады. Мен оған: «Мен бир амалекпен», – деп жуўап бердим.
9. Шаул маған: «Берман келип, мени өлтир. Себеби жаным шықпай, қыйналып атырман», – деди.
10. Мен жанына барып, оны өлтирдим. Өйткени аўыр жарақатланып қулағаннан кейин, тири қалмайтуғынын билген едим. Мен оның басындағы тажы менен қолына тағылған шынжырын алдым ҳәм оларды усы жерге, мырзам, сизге алып келдим.
11. Буны еситкен Даўыт ҳәм оның жанындағылар қайғыдан кийимлерин жыртты.
12. Олар қылыштан қаза тапқан Шаул, оның улы Ионатан ҳәм Жаратқан Ийениң халқы болған израиллылар ушын кешке шекем жоқлаў айтып жылап, ораза тутты.
13. Даўыт өзине хабар алып келген жигиттен: – Қай жерлисең? – деп сорады. Жигит оған: – Мен бир келгинди амалектиң улыман, – деп жуўап берди.
14. Сонда Даўыт оған: – Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оны өлтириўге қорқпадың ба? – деди.
15. Соңынан Даўыт адамларынан бирин шақырып: «Бар, оны өлтир!» – деп буйырды. Солай етип, сол адам амалек жигитти өлтирди.
16. Даўыт амалек жигитке: «Өз басыңа өзиң жеттиң. Өйткени: „Жаратқан Ийениң майлаған адамын мен өлтирдим“, – деп өзиңе қарсы өз аўзың менен гүўалық бердиң», – деди.
17. Даўыт Шаул ҳәм оның улы Ионатан ушын жоқлаў айтты.
18. Соңынан бул жыр Яҳуда халқына үйретилсин деп буйырды. «Оқ жай» деп аталған усы жыр Яшар китабында жазылған:
19. «Ҳәй Израил! Бийик төбешиклерде жоқ болды салтанатың! Қалай жерге қулады батырларың?!
20. Бул хабарды Гатқа еситтирмең, Ашкелон көшелеринде жайып жүрмең. Еситип, филист қызлары қуўанбасын, Сүннетсизлердиң қызлары шадланбасын.
21. Ҳәй, Гилбоа таўлары, Үстиңизге шық түсип, жаўын жаўмасын, Жерлериң өним де бермесин. Себеби батырлардың қалқаны, Енди қайтып зәйтүн майы менен майланбайтуғын Шаулдың қалқаны, Сол жерде қулатылды.
22. Өлгенлердиң қанысыз, батырлардың тәнисиз, Ионатанның оқ жайы кери қайтпас еди, Шаулдың қылышы ҳеш бос қайтпас еди.
23. Шаул менен Ионатан сүйкимли ҳәм жағымлы еди, Өмирде де, өлимде де бирге болды олар. Олар бүркитлерден де шаққанырақ, арысланлардан да күшлирек еди.
24. Ҳәй, Израил қызлары! Сизлерге безелген қырмызы кийимлер кийгизген, Кийимиңизди алтын безениў буйымлары менен безеген Шаул ушын жылаңлар!
25. Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар саўашта! Бийиклигиңде жатыр өли Ионатан.
26. Сениң ушын қайғыраман, туўысқаным Ионатан, Мен ушын сен жүдә қәдирли едиң, Сүйиспеншилигиң мен ушын, Артық еди ҳаял муҳаббатынан.
27. Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар! Қалай жоқ болды урыс қураллары!»
1. Буннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийеден: – Яҳуда қалаларының бирине барайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар, – деп жуўап берди. Даўыт Оннан: – Қай жерге барайын? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Хебронға бар, – деп жуўап берди.
2. Солай етип, Даўыт өзиниң еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл менен бирге сол жерге кетти.
3. Даўыт өзиниң жанындағы адамларын да хожалықлары менен бирге алып кетти. Олар Хебронның өзине ҳәм әтирапындағы қалаларға орналасты.
4. Сонда яҳудалылар Хебронға келип, Даўытты майлап, Яҳудаға патша етип қойды. Соңынан олар Даўытқа: «Ябеш-Гилад турғынлары Шаулдың денесин жерледи», – деди.
5. Даўыт Ябеш-Гилад турғынларына хабаршылар жиберип, оларға былай деди: «Мырзаңыз Шаулды жерлеп, оған көрсеткен садықлығыңыз ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын!
6. Енди сизлерге Жаратқан Ийе мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын көрсетсин. Бул исиңиз ушын, мен де сизлерге жақсылық қыламан.
7. Сонлықтан күшли ҳәм мәрт болыңлар! Мырзаңыз Шаул қайтыс болды. Ал Яҳуда халқы болса, мени майлап, өзлерине патша етип қойды».
8. Шаулдың сәркәрдасы Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошетти* Маханайымға алып барды.
9. Ол жерде Абнер Иш-Бошетти Гиладтың, Ашердиң, Изреелдиң, Эфрайымның, Беняминниң ҳәм пүткил Израилдың үстинен патша етип тайынлады.
10. Шаулдың улы Иш-Бошет қырық жасында патша болып, Израилда еки жыл патшалық етти. Бирақ Яҳуда халқы Даўыт пенен бирге қалды.
11. Даўыт Хебронда Яҳуда халқына жети жыл алты ай патшалық етти.
12. Бир күни Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошеттиң адамлары менен бирге Маханайымнан Гибонға кетти.
13. Ал Серуя улы Иоаб болса, Даўыттың адамлары менен барып, Гибон ҳаўызының жанында оларды қарсы алды. Усы еки топардың бири ҳаўыздың бир тәрепинде, екиншиси екинши тәрепинде отырды.
14. Сонда Абнер Иоабқа: – Жигитлер орынларынан турып, көз алдымызда алыссын, – деп усыныс қылды. Иоаб оған: – Мейли, алыса ғойсын, – деп келисим берди.
15. Солай етип, Бенямин урыўынан Шаулдың улы Иш-Бошет тәрептен он еки адам ҳәм Даўыт тәрептен он еки адам алдыға шықты.
16. Олардың ҳәр бири қарсыласының басынан услап алды да, бир-бириниң бүйирине қылыш шаншып, биргеликте жан тапсырды. Сонлықтан Гибондағы сол жерге Хелқат-Ҳассурим, яғный «Қылышлар майданы» деген ат берилди.
17. Сол күни саўаш жүдә қатал түс алып, Даўыттың адамлары Абнер менен израиллыларды жеңилиске ушыратты.
18. Серуяның үш улы: Иоаб, Абишай ҳәм Асаҳел де сол жерде еди. Асаҳел кийик сыяқлы шапқыр еди.
19. Ол изинен қалмай, Абнерди қуўалап кетти.
20. Сонда Абнер артына бурылып: – Асаҳел, бул сенбисең? – деп сорады. Асаҳел оған: – Аўа, бул мен, – деп жуўап берди.
21. Абнер оған: – Изимнен қуўыўды тоқтатып, жигитлердиң бирине ҳүжим қыл да, қурал-жарағын ал, – деди. Бирақ Асаҳелдиң Абнерди қуўыўды тоқтатқысы келмеди.
22. Сонда Абнер Асаҳелге және ескертип: «Мени қуўыўды тоқтат! Сени өлтириўимниң неге кереги бар? Соңынан туўысқаның Иоабтың жүзине қалай қарайман?» – деди.
23. Бирақ Асаҳел қуўыўды тоқтатпағанлықтан, Абнер найзасының артқы ушын Асаҳелдиң қарнына тығып жиберди. Найза Асаҳелдиң арқасын тесип шықты. Ол жерге жығыла сала, жан берди. Асаҳел жығылып өлген жерден өтип баратырғанлардың ҳәммеси сол жерде тоқтап қалды.
24. Ал Иоаб пенен Абишай Абнерди қуўыўды даўам етип, күн батқанда, Гибон шөлине кететуғын жолдағы Гиахтың қарсы алдындағы Амма төбешигине келди.
25. Бенямин урыўының адамлары Абнердиң изине ерип жыйналып, бир топарға бирлести ҳәм бир төбешиктиң басына шығып, сап тартып турды.
26. Абнер даўыслап бақырып, Иоабқа: – Қылышымыз мәңгиге инсанларды қырыўы керек пе? Ямаса сен буның ақыбетиниң қайғылы болатуғынын билмейсең бе? Әскерлериңе туўысқанларын қуўыўды тоқтатыўды қашан буйырасаң? – деди.
27. Иоаб Абнерге: – Тири Қудай ҳақы ант ишемен: егер өзиң айтпағаныңда, әскерлер ертең азанға шекем туўысқанларын қуўыўды тоқтатпаған болар еди, – деп жуўап берди.
28. Соңынан Иоаб кәрнай шертти ҳәм пүткил халық тоқтады. Кейин олар израиллыларды қуўмады да, олар менен урыспады да.
29. Абнер ҳәм оның адамлары түн бойы Иордан тегислиги бойлап жүрди. Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Битрон жолы арқалы Маханайымға қайтып барды.
30. Иоаб та Абнерди қуўыўды тоқтатып, қайтып келгеннен соң, ҳәмме адамларын жыйнады. Асаҳелден басқа, Даўыттың адамларынан және он тоғыз адам қазаланған болып шықты.
31. Бирақ Даўыттың адамлары Абнер тәрептеги Бенямин урыўының адамларынан үш жүз алпыс адамды өлтирген еди.
32. Иоаб ҳәм оның адамлары Асаҳелдиң денесин алып келип, Бейтлеҳемдеги әкесиниң қәбирине жерледи. Соңынан олар түн бойы жол жүрип, таң ата Хебронға жетип келди.
1. Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасындағы урыс узақ даўам етти. Даўыттың күшине күш қосылған сайын, Шаулдың тәрепдарлары ҳәлсиреп бара берди.
2. Даўыттың Хебронда туўылған балалары мыналар: туңғыш улы Амнон. Ол изреелли Ахиноамнан туўылды;
3. екиншиси Килеаб болып, ол кармелли Набалдың жесири Абигайылдан туўылды; үшиншисиниң аты Абшалом, ол Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылды;
4. төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония, бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия,
5. алтыншысы Даўыттың Эгла деген ҳаялынан туўылған Итреам еди. Даўыттың бул улларының ҳәммеси Хебронда туўылды.
6. Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасында урыс даўам етип атырғанда, Абнер Шаулдың тәрепдарлары арасында күшке толып бара берди.
7. Шаулдың Риспа деген бир тоқалы бар болып, ол Айя деген адамның қызы еди. Бир күни Иш-Бошет Абнерден: – Не ушын сен әкемниң тоқалы менен жаттың? – деп сорады.
8. Иш-Бошеттиң сораўына қатты ғәзепленген Абнер оған былай деп бақырды: – Мен не Яҳудаға хызмет қылып жүрген бир көпек пе едим? Мен усы күнге дейин, әкеңиз Шаулдың хожалығына, туўысқанларына ҳәм досларына садық болдым. Сизди де Даўытқа сатып бермедим. Бирақ бүгин сиз мени усы ҳаял себепли айыплап атырсыз.
9. Жаратқан Ийениң Даўытқа ўәде еткенин жүзеге асырмасам, онда Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!
10. Ол патшалықты Шаулдың нәсилинен тартып алып, Даннан Беер-Шебаға шекем созылған Израил менен Яҳудада Даўыттың патшалығын орнататуғынын айтып, ўәде еткен еди.
11. Иш-Бошет Абнерден қорққанлықтан, оған басқа ҳеш нәрсе айта алмады.
12. Буннан кейин, Абнер өз атынан Даўытқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бул елди сиз басқарыўыңыз керек емес пе? Егер мениң менен келисим дүзсеңиз, пүткил Израилды сиз тәрепке аўдырыў ушын, жәрдем беремен».
13. Даўыт оған: «Яқшы, мен сениң менен келисим дүземен. Бирақ бир шәртим бар: мени көриўге келгениңде, Шаулдың қызы, ҳаялым Михалды да өзиң менен бирге алып кел. Болмаса, алдыма келмей-ақ қой», – деди.
14. Соңынан Даўыт Шаулдың улы Иш-Бошетке де хабаршылар жиберип, олар арқалы: «Қалың малға жүз филисттиң сүннет терисин төлеп алған ҳаялым Михалды маған қайтарып бер», – деди.
15. Сонда Иш-Бошет адамлар жиберип, Михалды күйеўи Палтиелдиң үйинен алдырды. Палтиел Лайыш деген адамның улы еди.
16. Күйеўи жылаўы менен Бахуримге шекем ҳаялына ерип барды. Бирақ Абнер оған: «Изиңе қайт», – дегенде, ол изине қайтып кетти.
17. Сол арада Абнер Израилдың ақсақаллары менен ушырасып, оларға былай деди: «Сизлер көптен бери Даўыттың өзлериңизге патша болыўын қәлеген едиңиз.
18. Енди буны иске асырың. Себеби Жаратқан Ийе Даўыт ҳаққында: „Қулым Даўыт арқалы халқым Израилды филистлердиң ҳәм пүткил душпанларының қолынан қутқараман“, – деген еди».
19. Абнер беняминлилер менен де сөйлести. Соңынан ол Израил халқының ҳәм Бенямин урыўының қәлеўи туўралы Даўытқа хабарлаў ушын Хебронға кетти.
20. Абнер жанына жигирма адамды алып Хебронға, Даўыттың жанына барды. Даўыт Абнер ҳәм оның жанындағылар ушын зыяпат берди.
21. Абнер Даўытқа: «Енди барып, пүткил Израил халқын жыйнап, тақсырым, сизиң алдыңызға алып келейин. Олар сиз бенен келисим дүзсин. Сонда сиз қәлеген жериңиздиң ҳәммеси үстинен патшалық қыласыз», – деди. Буннан соң, Даўыт Абнерди шығарып салды. Ол да аман-есен жолына түсти.
22. Көп узамай, Даўыттың адамлары менен Иоаб бир басқыншылықтан қайтып келди. Олар өзлери менен бирге көп олжа алып келген еди. Бирақ сол ўақытта Абнер Хебронда Даўыттың жанында жоқ еди. Себеби Даўыт оны шығарып салған болып, ол аман-есен жөнеп кеткен еди.
23. Иоаб ҳәм оның жанындағы пүткил әскерлер Хебронға келгенде, оларға Нер улы Абнердиң патшаға келгени, патшаның оны қайтарып жибергени, оның да аман-есен үйине қайтқаны туўралы хабарлады.
24. Сонда Иоаб патшаға келип: «Сиз не ислеп қойдыңыз? Абнер өз аяғы менен алдыңызға келген болса, оны неге босатып жибердиңиз? Ол кетип қалыпты-ғо!
25. Нер улы Абнерди өзиңиз билесиз. Ол сизди алдаў ушын, қай жерге барып, қай жерден келетуғыныңызды ҳәм нелер ислейтуғыныңызды билиў ушын келген», – деди.
26. Иоаб Даўыттың жанынан шыққаннан кейин, Абнердиң изинен хабаршылар жиберди. Хабаршылар оны Сира суў сақлағышының жанынан қайтарып алып келди. Даўыт буннан бийхабар еди.
27. Абнер Хебронға қайтып келгенде, Иоаб өзин оның менен жеке сөйлесип алатуғын адамдай көрсетип, оны қала дәрўазасынан киргизди. Туўысқаны Асаҳелдиң қанын төккени ушын, Иоаб сол жерде Абнердиң қарнына пышақ урып өлтирди.
28. Даўыт бул ўақыяны еситкенде былай деди: «Мен де, мениң патшалығым да Нер улы Абнердиң қаны ушын Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге айыпсызбыз.
29. Оның қанының қуны Иоабтың ҳәм оның әкесиниң пүткил үй-ишиниң мойнында. Иоабтың урпағынан ириңли жараға ҳәм жаман тери кеселлигине шалынғанлар, балдаққа сүйенгенлер, қылыштан өлгенлер, нанға зар болғанлар ҳеш қашан арылмасын».
30. Солай етип, Иоаб ҳәм оның иниси Абишай Абнерди өлтирди. Өйткени Абнер Гибондағы саўашта олардың иниси Асаҳелди өлтирген еди.
31. Соңынан Даўыт Иоабқа ҳәм оның жанындағыларға: «Кийимлериңизди жыртып, аза кийимин кийиңлер ҳәм Абнер ушын жылаңлар», – деп буйрық берди. Даўыт патшаның өзи Абнердиң табытының изинде жүрди.
32. Олар Абнерди Хебронға жерледи. Патша Абнердиң қәбириниң басында даўыс шығарып жылады. Сол жердеги пүткил халық та жылады.
33. Соңынан патша Абнер ушын мына жоқлаўды айтты: «Абнер, сен бир ақмақ сыяқлы өлиўиң керек пе еди?
34. Қолларың байлаўлы, аяқларың кисенлеўли емес еди-ғо. Бирақ сен қарақшылар қолынан өлтирилген адам сыяқлы қаза таптың». Ҳәмме Абнер ушын және жылады.
35. Халық Даўытқа барып, күн батпастан бурын оны бир нәрсе жеп алыўға көндирмекши болғанда, Даўыт ант ишип былай деди: «Күн батпастан алдын нан ямаса бир нәрсе жесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!»
36. Пүткил халық буны билди ҳәм патшаның барлық ислерин унатқаны сыяқлы, бул исин де унатты.
37. Сол күни Яҳудадағы ҳәм Израилдағы ҳәр бир адам Нер улы Абнердиң өлиминде патшаның қолы жоқлығын билди.
38. Патша адамларына былай деди: «Бүгин Израилда бир басшының, уллы бир адамның өлгенин билмейсизлер ме?
39. Мен майланып, патша етип қойылған болсам да, бүгин ҳәлсизбен. Ал мына Серуяның уллары болса, меннен күшлирек. Жаратқан Ийе жаманлық ислегенге жаманлығына жараса қайтарсын!»
1. Шаулдың улы Иш-Бошет Абнердиң Хебронда өлтирилгенин еситкенде, қәўетерге түсти. Пүткил Израил халқы да қорқысып қалды.
2. Иш- Бошеттиң хызметинде басқыншылар топарын басқаратуғын Баана ҳәм Рехаб деген еки адам бар еди. Олар Бенямин урпағынан болған бееротлы Риммонның уллары еди. Беерот қаласы беняминлилерге тийисли қала деп саналатуғын еди.
3. Себеби бееротлылар қаланы таслап, Гиттайымға қашып кеткен еди. Сонлықтан олар усы күнге шекем сол жерде келгинди болып жасап киятыр.
4. Шаулдың улы Ионатанның еки аяғы да ләң болып қалған Мефибошет деген бир улы бар еди. Изреелден Шаул менен Ионатанның қазаланғаны ҳаққында хабар келгенде, Мефибошет бес жаста еди. Сонда тәрбияшысы оны алып қашып кеткен еди. Ол баланы асығыс алып қашып баратырғанда, баланы қолынан түсирип алғанлықтан, бала майып болып қалған еди.
5. Бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен Баана жолға шығып, күн қатты қызған ўақытта Иш-Бошеттиң үйине келгенде, Иш-Бошет уйықлап жатырған еди.
6. Рехаб ҳәм оның туўысқаны Баана бийдай алатуғын адам сыяқлы үйге кирип, Иш-Бошеттиң қарнына қанжар тығып өлтирди де, қашып кетти.
7. Ўақыя былай болған еди: олар үйге киргенде, Иш-Бошет уйықлайтуғын бөлмесиндеги өз төсегинде жатырған еди. Рехаб пенен Баана Иш-Бошетти өлтирип, басын кесип алды ҳәм басты көтерип, пүткил түн бойы Иордан тегислиги арқалы жүрди.
8. Олар Иш-Бошеттиң басын Хебронға, Даўыт патшаға алып келип, оған: «Мине, сизди өлтирмекши болған душпаныңыз Шаулдың улы Иш-Бошеттиң басы! Жаратқан Ийе бүгин Шаулдан ҳәм оның урпағынан тақсырым, сизиң өшиңизди алды», – деди.
9. Бирақ Даўыт бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен оның туўысқаны Баанаға былай деп жуўап берди: «Мени ҳәр түрли бәле- қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен:
10. бурын Шаулдың өлими ҳаққында хабарды маған хош хабар ретинде алып келген адамды услап алып, Сиклагта өлтирген едим. Әкелген хош хабары ушын оған берилген сый усы болды.
11. Енди айыпсыз бир адамды өз үйинде, төсегинде өлтирген жаўыз адамлардың өлтирилиўи де гүмансыз. Оның қаны ушын сизлерден өш алып, сизлерди жер бетинен жоқ қылып жибермеймен бе?»
12. Соңынан Даўыт адамларына буйрық берди. Олар еки туўысқанды өлтирип, олардың аяқ-қолларын кести де, денесин Хеброндағы ҳаўыздың бойына асып қойды. Ал Иш-Бошеттиң басын апарып, Хеброндағы Абнердиң қәбирине жерледи.
1. Израилдың барлық урыўлары Хебронда болған Даўытқа келип, былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
2. Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3. Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4. Даўыт отыз жасында патша болып, қырық жыл патшалық етти.
5. Ол Хебронда жети жыл алты ай Яҳуда үстинен, Ерусалимде отыз үш жыл пүткил Израил ҳәм Яҳуда үстинен патшалық етти.
6. Даўыт патша ҳәм оның адамлары Ерусалимде жасап атырған ебус халқына шабыўыл жасаў ушын жолға шыққанда, ебус халқы: «Даўыт бул жерге кире алмайды», – деп ойлап, Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң. Соқырлар менен шолақлар-ақ сени қуўып салады», – деп бақырды.
7. Деген менен, Даўыт Сион қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
8. Сол күни Даўыт адамларына былай деди: «Ебус халқын жеңбекши болған ҳәр бир адам суў тармақлары арқалы барып, Даўытты жек көретуғын сол шолақ ҳәм соқыр ебусларды жоқ қылсын», – деди. Сонлықтан: «Соқырлар менен шолақлар сарайға кирмейди», – деген гәп қалған екен.
9. Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды ҳәм оны «Даўыттың қаласы» деп атады. Ол қорғанның айнала дөгерегине Милло деген жерден баслап қосымша қорған қурды.
10. Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
11. Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге кедр ағашларын, ағаш усталарын ҳәм тас қалаўшы усталарды жиберди. Бул адамлар Даўыт ушын бир сарай қурды.
12. Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын даңққа еристиргенин түсинди.
13. Даўыт Хеброннан Ерусалимге келгеннен кейин де өзине және тоқаллар ҳәм ҳаяллар алып, олардан да ул ҳәм қызлар көрди.
14. Даўыттың Ерусалимде туўылған ул-қызларының атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
15. Ибхар, Элишуа, Нефег, Яфиа,
16. Элишама, Эляда ҳәм Элифелет.
17. Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт қорғанға кетти.
18. Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
19. Даўыт Жаратқан Ийеден: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған сөзсиз тәслим етемен, – деп жуўап берди.
20. Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Жаратқан Ийе де душпанларымды алдымда қыйратып таслады», – деди. Сол себепли бул жерге «Баал-Перасим» деген ат берилди.
21. Филистлер сол жерге өзлериниң бутларын таслап қашқан еди. Даўыт ҳәм оның адамлары сол бутларды алып кетти.
22. Буннан соң, филистлер және келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
23. Даўыт Жаратқан Ийеден қайта сорағанда, Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Олардың артынан айланып бар да, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
24. Тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, ҳәрекетке кирис. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан».
25. Даўыт Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гебадан Гезерге дейин қыйратып барды.
1. Даўыт және Израилдағы пүткил ағла әскерлерди топлады. Олар отыз мың адам еди.
2. Соңынан Даўыт ҳәм оның менен бирге болған сол адамлардың ҳәммеси сандықтың үстиндеги еки керуб арасында тахт қурған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен аталған Қудайдың сандығын алып келиў ушын Баале-Яҳудаға кетти.
3. Олар Қудайдың сандығын төбешиктеги Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Абинадабтың уллары Узза менен Ахйо таза арбаны жетеклеп жүрди.
4. Олар Қудайдың сандығын алып кетип баратырғанда, Ахйо сандықтың алдында жүрди.
5. Сол ўақытта Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң алдында қосық айтып, лира ҳәм арфа шертип, дәп қағып, систраны шыңғырлатып, кимбалды даңғырлатып, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.
6. Олар Нахон деген адамның қырманына жетип барғанда, өгизлер сүрнигип кетти. Сонда Узза қолын созып, Қудайдың сандығын услап қалды.
7. Ҳүрметсизлиги ушын Жаратқан Ийениң Уззаға ғәзеби қайнады ҳәм сол жерде-ақ оның жанын алды. Узза Қудайдың сандығының қасында жан тапсырды.
8. Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағанына Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза, яғный «Уззаның қыйратылыўы» деп аталады.
9. Даўыт сол күни Жаратқан Ийеден қорқып: «Енди қалай Жаратқан Ийениң сандығын әкелип, жаныма қоя аламан?» – деп ойлады.
10. Сонлықтан Даўыт сандықты өзиниң аты менен аталған қалаға алып барыўдың орнына, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды.
11. Сандық гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомды ҳәм оның пүткил шаңарағын жарылқады.
12. Даўытқа: «Қудайдың сандығы себепли, Жаратқан Ийе Обед- Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрсени жарылқады», – деген хабар жетти. Сонда Даўыт барып, Қудайдың сандығын Обед-Эдомның үйинен Даўыттың қаласына қуўанышлы түрде алып келди.
13. Жаратқан Ийениң сандығын көтергенлер алты адым атқанда, Даўыт бир буға менен бир семиз тананы қурбанлыққа шалды.
14. Зығыр эфод кийип алған Даўыт Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен ойынға түсти.
15. Усылайынша Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы қуўанышлы даўыслар ҳәм кәрнай сеслери астында сандықты алып киятырған еди.
16. Сандық Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол Жаратқан Ийениң алдында секирип ойынға түсип киятырған Даўыт патшаны көргенде, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.
17. Жаратқан Ийениң сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишиндеги өз орнына қойылды. Соңынан Даўыт Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди.
18. Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен халыққа пәтия берди.
19. Соңынан ол пүткил халыққа, Израил жәмийетиндеги ҳәр бир еркек ҳәм ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты. Буннан соң, пүткил халық үйлерине қайтты.
20. Даўыт өз хожалығына пәтия бериў ушын үйине қайтып келгенде, Шаулдың қызы Михал оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: – Израил патшасы бүгин қандай абырайға еристи?! Өз қулларының шорылары алдында жарамсыз адам сыяқлы жалаңашланып, өзин көрсетти- ғо, – деди.
21. Даўыт Михалға былай деп жуўап берди: – Мени әкеңниң ҳәм оның пүткил нәсилиниң орнына таңлап, Өз халқы Израилға ҳүкимдар етип қойған Жаратқан Ийениң алдында ойынға түстим. Аўа, мен Жаратқан Ийениң алдында ойнай беремен.
22. Енди өзимди буннан да төмен тутып, және де пәсирек санайман. Бирақ сен айтқан сол шорылар мени ҳүрметке бөлейди.
23. Шаулдың қызы Михал өмириниң ақырына шекем бийперзент өтти.
1. Даўыт патша өз сарайында жасай берди. Себеби Жаратқан Ийе оны әтирапындағы барлық душпанларынан қорғап, тынышлық берди.
2. Сол ўақытлары патша пайғамбар Натанға: – Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман, ал Қудайдың сандығы болса, шатырда турыпты, – деди.
3. Натан оған: – Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң, себеби Жаратқан Ийе сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
4. Бирақ сол күни түнде Натанға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5. «Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмақшымысаң?
6. Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап усы ўақытқа дейин, Мен үйде жасадым ба, өзи? Шатырда ол жақтан бул жаққа көшип жүрген жоқпан ба?
7. Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“
8. Енди қулым Даўытқа былай деп айт: „Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым.
9. Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан.
10. Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды.
11. Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери залымлар оларды езип келмекте. Ал сени пүткил душпанларыңнан қутқарып, рәҳәтке еристиремен“. Жаратқан Ийе және былай деп билдиреди: „Мен сениң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жаратаман.
12. Сен өлип, ата-бабаларыңа қосылғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен.
13. Маған атап үйди ол қурады. Мен де оның патшалық тахтын мәңгилик қылып орнатаман.
14. Мен оған әке боламан, ол Маған ул болады. Егер ол гүна ислесе, әке улын таяқ пенен жазалағандай, оны басқа миллетлер арқалы жазалайман.
15. Бирақ сениң көз алдыңда Шаулдан Өз мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман.
16. Сениң урпағың ҳәм патшалығың Мениң алдымда мәңгиге турады ҳәм тахтың мәңги беккем болады“».
17. Солай етип, Натан аян болған бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.
18. Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «Қудай Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң үй-ишим де не болыпты?
19. Қудай Ийе! Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай Ийе, Сениң адамзатқа деген қатнасың усындай ма?!
20. Мен Саған басқа не айта аламан? Өйткени Қудай Ийе, Сен Өз қулыңды билесең-ғо.
21. Сен Өз сөзиңе ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти иследиң ҳәм оны қулыңа билдирдиң.
22. Қандай уллысаң, Қудай Ийе! Өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ.
23. Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың ҳәм халқың ушын да, елиң ушын да уллы ҳәм таң қаларлық ислер ислеп, Өз даңқыңды шығардың. Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан халықларды ҳәм қудайларды қуўып жибердиң.
24. Халқың Израилды мәңгиге Өз халқым болады деп, оларды беккемледиң ҳәм Өзиң де, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болдың.
25. Енди, Қудай, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңде мәңгиге турып, сөзиңди орынлай гөр.
26. Адамлар: „Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы“, – деп атыңды мәңгиге уллыласын ҳәм қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.
27. Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы! Сен қулыңа: „Сениң ушын бир шаңарақ – патшалық жаратаман“, – деп аян еттиң. Сонлықтан қулың усылай дуўа етиўге жүрек етти.
28. Қудай Ийе, Сен Қудайсаң, Сениң сөзлериң ҳақ. Сен қулыңа бул ийгиликли ўәдени бердиң.
29. Енди алдыңда мәңгиге даўам етиўи ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўыңды сорайман. Себеби Қудай Ийе, Сен солай сөз бердиң ҳәм қулыңның патшалығы Сениң жарылқаўың арқалы мәңгиге жарылқанатуғын болады».
1. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды ҳәм филистлердиң қолынан Метег-Амма қаласын тартып алды.
2. Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Оларды жерге қатара жатқызып, арқан менен өлшеди ҳәм еки өлшемди өлтирип, үшинши өлшемди тири қалдырды. Солай етип, моаблылар Даўытқа бағынышлы болып, оған салық төлейтуғын болды.
3. Даўыт Евфрат дәрьясына шекемги өз патшалығын қайта тиклемекши болып, сол жерге жүрис қылған Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерди де жеңди.
4. Даўыт Ҳададезердиң бир мың жети жүз арбалы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға алды. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5. Соңынан Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
6. Ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.
7. Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
8. Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Бетах ҳәм Беротай қалаларынан көп муғдарда қола алды.
9. Хамат патшасы Той Даўыттың Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңгенин еситти.
10. Патша Той Даўытқа сәлем бериў ҳәм оны саўашта Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын, улы Иорамды оған жиберди. Себеби Той Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Иорам Даўытқа гүмис, алтын ҳәм қоладан исленген затларды саўғаға алып келди.
11. Даўыт патша бул саўғаларды басып алған еллеринен алып келген гүмис ҳәм алтынлар менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12. Булар арам, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келинген, және де, Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерден тартып алынған гүмис ҳәм алтынлар еди.
13. Даўыт Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мыңын өлтирип қайтқаннан соң, оның даңқы асты.
14. Ол Эдом аймағының ҳәмме жерине өз сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдомлар Даўытқа бағынышлы болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.
15. Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти.
16. Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы еди.
17. Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, Серая хаткер еди.
18. Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың* басшысы еди. Ал Даўыттың уллары руўханийлер еди.
1. Бир күни Даўыт: «Шаулдың хожалығынан тири қалған бар ма? Мен Ионатанның ҳүрмети ушын оған жақсылық қылар едим», – деди.
2. Шаулдың хожалығының Сиба деген бир хызметши киси бар еди. Оны Даўыттың алдына шақырып келди. Патша оннан: – Сиба деген сенбисең? – деп сорады. Сиба оған: – Аўа, Сиба деген қулыңыз мен боламан, – деп жуўап берди.
3. Патша оған: – Шаулдың хожалығынан аман қалған адам бар ма? Мен оған Қудай ушын жақсылық қылайын, – деди. Сиба патшаға: – Ионатанның еки аяғы да майып болып қалған бир улы бар, – деп жуўап берди.
4. Патша оннан: – Ол қай жерде? – деп сорады. Сиба патшаға: – Ол Ло-Дебардағы Аммиел улы Махирдиң үйинде, – деп жуўап берди.
5. Солай етип, Даўыт патша оны Ло-Дебардан, Аммиел улы Махирдиң үйинен алдырды.
6. Шаулдың ақлығы, Ионатанның улы болған Мефибошет Даўытқа келди ҳәм ет-бетинен жығылып, оған тәжим етти. Даўыт: – Мефибошет! – деди. – Ләббәй, қулыңыз усы жерде, – деп жуўап берди Мефибошет.
7. Даўыт оған: – Қорқпа, мен әкең Ионатанның ҳүрмети ушын саған жақсылық қыламан. Атаң Шаулдың барлық жерлерин саған қайтарып беремен. Ал сен бәрқулла мениң дастурханымнан аўқатланатуғын боласаң, – деди.
8. Мефибошет тәжим қылып: – Өли ийтке уқсаған мендей қулыңызға жақсылық қылатуғындай, мен ким болыппан? – деди.
9. Соңынан патша Шаулдың хызметшиси Сибаны шақыртып алып, оған былай деди: – Бурын мырзаң Шаулға ҳәм оның хожалығына тийисли болған нәрсениң ҳәммесин оның ақлығы Мефибошетке бердим.
10. Енди мырзаңның ақлығы керекли азық-аўқат пенен тәмийинлениўи ушын, сен ҳәм сениң улларың менен қулларың оның ушын жерди тәрбиялап, өним алыңлар. Ал мырзаңның ақлығы Мефибошет болса, бәрқулла мениң дастурханымнан аўқат жейди. Сибаның он бес улы ҳәм жигирма қулы бар еди.
11. Сиба патшаға: – Тақсырым, қулыңыз болған мен буйырғанларыңыздың ҳәммесин орынлайман, – деди. Мефибошет патшаның улларының бири сыяқлы, патшаның дастурханынан аўқат жеди.
12. Мефибошеттиң Миха деген кишкене бир улы бар еди. Сол ўақыттан баслап, Сибаның үйинде жасайтуғын ҳәр бир адам Мефибошетке хызмет ететуғын болды.
13. Мефибошет бәрқулла патшаның дастурханынан аўқат жейтуғын болғанлықтан, Ерусалимде жасады. Оның еки аяғы да майып еди.
1. радан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Аммон патшасы өлип, оның орнына улы Ханун патша болды.
2. Сонда Даўыт: «Әкесиниң маған жақсылық еткени сыяқлы, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық қылайын», – деп ойлап, әкесиниң өлими себепли кеўил айтыў ушын, Ханунға хызметшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Аммон жерине барғанда,
3. аммон басшылары өз мырзасы Ханунға: «Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын сизге кеўил айтыў ушын жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, Даўыт оларды қаланы көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын сизге жиберген», – деди.
4. Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, олардың сақалларының ярымын кестирди ҳәм шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, изине қайтарып жиберди.
5. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6. Аммонлар Даўыттың өзлерин жек көрип қалғанын түсинди. Сонда адам жиберип, Бейт-Рехоб пенен Собадан жигирма мың арамлы пияда әскерди, Мааха патшасы менен оның мың адамын ҳәм Тоб аймағынан он еки мың адамды жаллап алды.
7. Даўыт буны еситкенде, Иоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден дүзилген пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды.
8. Аммонлар шығып, дәрўаза алдында сап тартып турды. Ал Рехоб пенен Собадан келген арамлар, Тоб пенен Маахадан келген адамлар менен бирге далада бөлек сап тартып турды.
9. Иоаб душпан әскерлериниң алдында да, артында да турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап алып, оларды арамларға қарсы сапқа турғызды.
10. Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырып, аммонларға қарсы сапқа дизди.
11. Иоаб инисине былай деди: «Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман.
12. Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын беккем турайық. Жаратқан Ийе Өзине мақул болған исти ислесин!»
13. Соңынан Иоаб ҳәм оның жанындағылар арамларға қарсы ҳүжимге өтиў ушын алға илгерилегенде, арамлар олардан қашты.
14. Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин Иоаб аммонлар менен урысыўдан ўаз кешип, Ерусалимге қайтып кетти.
15. Өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көрген арамлар бир жерге топланды.
16. Соба патшасы Ҳададезер хабар жиберип, Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын арамларды шақыртты. Арамлар Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахтың басшылығында Хеламға кетти.
17. Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил израиллыларды топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, Хеламға барды. Арам әскерлери Даўытқа қарсы сап тартып турды ҳәм оның менен саўаш қылды.
18. Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети жүз саўаш арбасының арбакешлерин ҳәм қырық мың атлы әскерин өлтирди. Ол Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахты да жарақатлады ҳәм ол саўаш майданында жан тапсырды.
19. Солай етип, Ҳададезердиң қол астындағы ҳәмме патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, израиллылар менен тынышлық келисимин дүзип, оларға бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден қорқып қалды.
1. Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Даўыт өз әскербасыларын ҳәм пүткил Израил әскерлерин Иоабтың басшылығында урысқа жиберди. Олар аммонларды қырып таслап, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыттың өзи Ерусалимде қалған еди.
2. Бир күни кешке қарай Даўыт төсегинен турды да, сарайдың үшегине шығып, арман-берман жүре баслады. Ол сол жерден қарап, шомылып атырған бир ҳаялды көрди. Ҳаял жүдә сулыў еди.
3. Даўыт ҳаялдың ким екенин билип келиў ушын, адам жиберди. Сол адам қайтып келип, ҳаялдың Элиамның қызы, хетт халқынан болған Урияның ҳаялы Бат-Шеба екенлигин айтты.
4. Даўыт ҳаялды алып келиў ушын хызметшилерин жиберди. Ҳаял Даўыттың алдына келди. Даўыт етек киринен енди тазаланған ҳаял менен жатты. Соңынан ҳаял үйине қайтты.
5. Ҳаял ҳәмиледар болып қалған еди. Сонлықтан ол Даўытқа: «Мен ҳәмиледарман», – деп хабар жиберди.
6. Сонда Даўыт Иоабқа: «Хетт халқынан болған Урияны маған жибер», – деген хабар жоллады. Иоаб Урияны Даўыттың алдына жиберди.
7. Урия алдына келгенде, Даўыт оннан Иоаб пенен әскерлердиң жағдайы ҳәм урыстың барысы ҳаққында сорады.
8. Соңынан Урияға: «Үйиңе барып, дем ал», – деди. Урия сарайдан шыққаннан соң, патша оның изинен сый жиберди.
9. Деген менен, Урия үйине қайтпай, патшаның барлық хызметшилери менен бирге сарай дәрўазасы алдында уйықлады.
10. Даўытқа Урияның үйине қайтпағаны ҳаққында хабар жеткенде, Даўыт Урияны шақыртып: – Сен узақ ўақыт сыртта болдың-ғо, неге үйиңе қайтпадың? – деп сорады.
11. Урия Даўытқа: – Қудайдың сандығы да, Израил ҳәм Яҳуда әскерлери де ордада қалды. Сәркәрдам Иоаб пенен сизиң адамларыңыз болса, қыр далада түнеп атыр. Солай екен, ишип-жеп, ҳаялым менен жатыў ушын, мен үйиме бара аламан ба? Алдыңызда ант ишип айтаман: мен ҳасла булай ислемеймен, – деп жуўап берди.
12. Сонда Даўыт Урияға: – Бүгин де усы жерде қал, ертең сени қайтарып жиберемен, – деди. Урия сол күни Ерусалимде қалды. Ертеңине
13. Даўыт Урияны шақырып алып, ишкизип-жегизди ҳәм оны мәс қылды. Бирақ кеште Урия және үйине бармай, патшаның хызметшилери менен бирге уйықлаў ушын бурынғы жатқан орнына барды.
14. Сонлықтан келеси күни азанда Даўыт Иоабқа бир хат жазып, оны Урияның қолына берип жиберди.
15. Ол хатта былай деп жазған еди: «Урияның жарадар болып өлиўи ушын, оны саўаштың ең қызған жерине қойып, бир өзин қалдыр».
16. Солай етип, Иоаб қаланы қоршап алғанда, душпанлардың мәрт әскерлериниң қай жерде туратуғынын билгенликтен, Урияны сол жерге қойды.
17. Қала халқы шығып, Иоабтың әскерлери менен саўашқа түсти. Саўашта Даўыттың әскерлеринен айырымлары қаза тапты. Қазаланғанлар арасында хетт халқынан болған Урия да бар еди.
18. Саўаштың барысы ҳаққында хабарлаў ушын, Иоаб Даўытқа адам жиберди.
19. Ол хабаршыға былай деп буйырды: «Сен саўаштың барысы ҳаққында патшаға жеткергениңде,
20. патша ғәзепленип, саған: „Олар менен урысыў ушын қалаға неге буншелли жақынластыңыз? Олардың қала дийўалынан оқ ататуғынын билмейтуғын ба едиңиз?
21. Еруббешеттиң улы Абимелехти қалай өлтиргенин билмейтуғын ба едиңиз? Тебесте бир ҳаял дийўалдан Абимелехтиң үстине дигирман тасын таслап жиберип, оны өлтиргени есиңизде жоқ па еди? Солай екен, неге дийўалға буншелли жақын бардыңлар?“ – дегенде, сен оған: „Хетт халқынан болған қулыңыз Урия да өлди“, – деп айтарсаң».
22. Хабаршы жолға шықты. Ол Даўытқа барғанда, Иоабтың өзине айтқанларының ҳәммесин оған жеткизип былай деди:
23. – Душпан бизлерден үстин шықты. Олар қаладан шығып, бизлер менен қыр далада урысты. Бирақ бизлер оларды қала дәрўазасына шекем қуўып бардық.
24. Сонда мергенлер сизиң адамларыңызға қарай дийўалдан оқ атты. Патшаның адамларының айырымлары қаза тапты, хетт халқынан болған қулыңыз Урия да қаза тапты.
25. Даўыт хабаршыға: – Иоабқа былай деп айт: «Болған ўақыяға қапа болма. Саўашта кимниң өлетуғынын билип болмайды. Қалаға қарсы ҳүжимди күшейтип, оны жер менен жексен қылыңлар». Усы сөзлерди айтып, оған жигер бер, – деди.
26. Урияның ҳаялы күйеўиниң қаза тапқанын еситип, ол ушын аза тутты.
27. Аза тутыў ўақты тамам болғанда, Даўыт ҳаялды сарайға алдырды. Ҳаял Даўытқа турмысқа шығып, оған бир ул туўып берди. Бирақ Даўыттың бул иси Жаратқан Ийеге унамады.
1. Жаратқан Ийе пайғамбар Натанды Даўытқа жиберди. Сонда Натан Даўытқа келип, былай деди: – Бир қалада еки адам болыпты. Олардың бириншиси бай, ал екиншиси кәмбағал екен+.
2. Бай адамның жүдә көп майда ҳәм ири маллары бар екен.
3. Бирақ кәмбағалдың сатып алып, бағып атырған бир урғашы қозысынан басқа ҳеш нәрсеси жоқ екен. Қозы кәмбағалдың үйинде балалары менен бирге өсипти. Оның нанынан жеп, кесесинен суў ишип, қойнында уйықлапты. Сол адам ушын қозы өз қызындай еди.
4. Бир күни бай адамның үйине бир жолаўшы келипти. Келген қонаққа аўқат таярлаў ушын, өзиниң қой ҳәм сыйырларынан бирин сойыўға байдың көзи қыймай, кәмбағалдың қозысын алып, қонағына аўқат таярлап берипти.
5. Даўыттың бай адамға қатты ғәзеби келип, Натанға былай деди: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: бундай исти ислеген адам өлимге ылайықлы!
6. Тасбаўырлық қылып, усындай исти ислегени ушын, қозыны төрт есе қылып төлеўи тийис+.
7. Сонда Натан Даўытқа былай деди: – Сол адам сизсиз! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени майлап, Израилға патша етип қойдым ҳәм Шаулдың қолынан қутқардым+.
8. Мен саған мырзаңның үйин бердим, ҳаялларын да қойныңа салдым. Израил ҳәм Яҳуда халқын да саған бердим. Егер бул да аз болса, булардан да көп нәрселерди берер едим.
9. Солай екен, неге Мениң алдымда жаўыз ислерди ислеп, сөзимди писент етпедиң? Хетт халқынан болған Урияны қылыш пенен өлтирип, ҳаялын өзиңе алдың. Аўа, сен оны аммонлардың қылышы менен өлтирдиң+.
10. Буннан былай, мәңгиге сениң хожалығыңнан қылыш арымайды. Себеби сен Мени писент етпей, хетт халқынан болған Урияның ҳаялын өзиңе ҳаяллыққа алдың».
11. Жаратқан Ийе және былай дейди: «Саған өз хожалығың арқалы жаманлық келтиремен. Сениң көз алдыңда ҳаялларыңды алып, жақынларыңның бирине беремен. Ол күпә-күндиз ҳаялларыңның қойнына киреди+.
12. Аўа, сен бул исти жасырынша иследиң, бирақ Мен буны пүткил Израил халқының көз алдында күпә-күндиз ислеймен».
13. Даўыт Натанға: – Мен Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим, – деди. Натан оған: – Жаратқан Ийе гүнаңыздан өтти, сиз өлмейсиз+.
14. Бирақ сиз бул исиңиз арқалы Жаратқан Ийениң душпанларына Оған тил тийгизиўге жол қойып бердиңиз. Сол себепли сизиң туўылған перзентиңиз өледи, – деп жуўап берди.
15. Соңынан Натан үйине қайтты. Жаратқан Ийе Урияның ҳаялының Даўыттан туўған баласын аўыр кеселге дуўшар етти.
16. Даўыт Қудайға бала ушын жалбарынып, ораза тутты. Үйине келип, жерде жатқан ҳалда түнлерди өткерди+.
17. Сарай ақсақаллары Даўытты жерден турғызыў ушын келгенде, ол турыўды қәлемеди ҳәм олар менен бирге аўқат та жемеди.
18. Жетинши күни бала шетнеди. Хызметшилери Даўытқа баланың шетнегени ҳаққында хабарлаўға қорқты. Олар: «Бала тири ўақытта, бизлер оның менен сөйлескен едик, бирақ ол бизлерге қулақ аспады. Енди баланың шетнегенин оған қалай айтамыз? Ол өзине қандай да бир жаман нәрсе ислеп қояр», – деп сыбырласты.
19. Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен: – Бала қайтыс болды ма? – деп сорады. Олар Даўытқа: – Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди.
20. Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине әтир жағып, кийимлерин аўмастырды ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды. Соңынан үйине қайтып келип, өзине аўқат берилиўин буйырды ҳәм алдына қойылған аўқатты жеди.
21. Хызметшилери оған: – Бул исиңизди қалай түсинсек болады? Бала тири ўақтында ораза тутып, жыладыңыз. Ал ол өлгеннен кейин, орныңыздан турып, аўқат жедиңиз, – деди.
22. Даўыт оларға былай деп жуўап берди: – Аўа, бала тири ўақтында ораза туттым, жыладым. Себеби: «Ким биледи, Жаратқан Ийе маған мийримин түсирип, бала жасап кетер», – деп ойлаған едим+.
23. Бирақ енди бала өлди. Солай екен, ораза тутыўымның не кереги бар? Оны қайтара алар ма едим? Мен оның жанына бараман, бирақ ол мениң жаныма қайтып келмейди.
24. Даўыт ҳаялы Бат-Шебаны жубатты ҳәм жанына кирип, оның менен жатты. Бат-Шеба бир ул туўды ҳәм оның атын Сулайман деп қойды. Жаратқан Ийе баланы сүйгенликтен,
25. Натан пайғамбарды оған жиберди. Натан Жаратқан Ийениң сөзи бойынша балаға Едидия, яғный «Жаратқан Ийениң сүйиклиси» деп ат қойды.
26. Сол ўақытлары аммонлардың Рабба қаласына қарсы саўаш жүргизип атырған Иоаб патша сарайы жайласқан қорған қаланы қолға киргизди+.
27. Соңынан Иоаб Даўытқа хабаршылар жиберип былай деди: «Мен Рабба қаласына ҳүжим қылып, оның суў тармағын қолға киргиздим.
28. Енди сиз қалған әскерлерди баслап келиң де, қаланы қоршап алып, оны қолға киргизиң. Егер қаланы мен басып алсам, қала мениң атым менен аталып кетер».
29. Даўыт пүткил әскерлерин топлап, Рабба қаласына кетти ҳәм қалаға ҳүжим жасап, оны қолға киргизди.
30. Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты.
31. Ал сол жерде жасайтуғын халықты жарғы, шөккиш ҳәм балта менен жумыс ислеўге, гербиш таярлаўға мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Соңынан ол пүткил әскерлери менен бирге Ерусалимге қайтып кетти.
1. Даўыттың улы Абшаломның Тамара деген бир сулыў қарындасы бар еди. Даўыттың басқа бир улы Амнон Тамараны сүйип қалды.
2. Амнон қарындасы Тамара себепли азап шегип, аўырып қалды. Себеби Тамара пәк қыз болғанлықтан, Амнон ушын қызға бир нәрсе ислеў мүмкиншилигин табыў қыйын еди.
3. Бирақ Амнонның Ионадаб деген жорасы бар еди. Ионадаб Даўыттың әжағасы Шимеаның улы болып, ол жүдә ҳийлекер еди.
4. Бир күни Ионадаб Амноннан: – Ҳәй, патшаның улы, неге күннен-күнге азып баратырсаң? Маған себебин айтпайсаң ба? – деп сорады. Амнон оған: – Туўысқаным Абшаломның қарындасы Тамараны сүйип қалдым, – деп жуўап берди.
5. Ионадаб оған: – Төсекке жатып алып, өзиңди аўырып атырғандай етип көрсет. Әкең сени көриў ушын келгенде, оған: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, маған аўқат писирип берсин. Аўқатты көз алдымда писирсин, оны көрип, қолынан аўқат жейин», – деп айт, – деди.
6. Солай етип, Амнон төсекке жатып алып, өзин аўырып атырғандай етип көрсетти. Патша оны көриўге келгенде, Амнон патшаға: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, көз алдымда бир-еки таба нан писирип берсин. Мен оның қолынан нан жейин», – деди.
7. Сонда Даўыт сарайда жасап атырған Тамараға: «Әжағаң Амнонның үйине барып, оған жейтуғын бир нәрсе писирип бер», – деп хабар жиберди.
8. Тамара әжағасы Амнонның үйине кетти. Ол төсекте жатырған еди. Тамара қамыр ийлеп, оның үйинде таба нан писирди.
9. Соңынан табаны алып, нанды Амнонның дастурханына қойғанда, ол жегиси келмеди. Сонда Амнон үйдегилерге: «Қасымнан ҳәмме шығып кетсин», – деп буйырды. Ҳәмме шығып кетти.
10. Буннан кейин, Амнон Тамараға: «Аўқатты жататуғын бөлмеме алып кел, мен сениң қолыңнан аўқат жейин», – деди. Тамара өзи писирген нанларды әжағасы Амнонның жататуғын бөлмесине апарды.
11. Жесин деп, Тамара нанды Амнонға жақынлатқанда, ол Тамараны услап алып: – Қарындасым, кел, мениң менен жат, – деди.
12. Бирақ Тамара оған былай деди: – Яқ, әжаға, мениң намысыма тийме. Израилда бундай ис исленбейди. Бундай ақылсызлықты ислеме.
13. Усындай шерменделиктен кейин, мен қалай бас көтерип жүре аламан? Ал сен Израилдағы ақмақ адамлардың бири болып қаласаң. Өтинемен, патша менен сөйлес, ол сениң маған үйлениўиңе қарсы болмайды.
14. Деген менен, Амнон Тамараға қулақ салғысы келмеди. Ол қыздан күшлирек болғанлықтан, қызды зорлап, намысына тийди.
15. Соннан соң, Амнонның Тамараны жек көргенлиги соншелли, оның жек көриўшилиги бурын болған муҳаббатынан да күшлирек еди. Амнон Тамараға: – Тур, жоқ бол! – деди.
16. Тамара Амнонға: – Яқ, мени қуўыўың – бул биринши ислеген жаманлығыңнан да аўырырақ, – деди. Бирақ Амнон оған қулақ салғысы келмеди.
17. Амнон хызметши жигитин шақырып оған: «Мына биреўди бул жерден қуўып жибер де, артынан қапыны жаўып тасла», – деди.
18. Жигит Тамараны сыртқа шығарып, изинше қапыны жаўды. Тамараның үстинде узын, жеңи де узын нағыслы кийим бар еди. Патшаның турмысқа шықпаған қызлары усылай кийинетуғын еди.
19. Тамара басына күл шашып, үстиндеги узын жеңли кийимин жыртып таслады. Ол қоллары менен басын услап, дад салып, еңиреўи менен кетти.
20. Әжағасы Абшалом қызға: «Сениң менен бирге болған әжағаң Амнон ба еди? Енди сестиңди шығарма, қарындасым. Ол сениң әжағаң-ғо. Бул ўақыяға қапа болма», – деди. Солай етип, Тамара әжағасы Абшаломның үйинде жалғыз ҳәм муңлы жасады.
21. Даўыт патша болып өткенлер ҳаққында еситип, қатты ғәзепленди.
22. Абшалом Амнонға жақсы да, жаман да сөз айтпады. Өйткени ол қарындасы Тамараның намысына тийгени ушын, Амнонды жек көрип қалған еди.
23. Еки жылдан кейин, Абшалом патшаның барлық улларын өзиниң қойын қырқтырып атырған жерге, Эфрайым қаласына жақын жердеги Баал-Хасорға шақырды.
24. Абшалом патшаға келип: – Мен қойларымды қырқтырып атырман. Өтинемен, өзиңиз де, хызметшилериңиз де мениң менен бирге сол жерге барсаңыз, – деди.
25. Даўыт патша оған: – Яқ, улым, егер бизлер ҳәммемиз барсақ, саған жүк боламыз, – деди. Абшалом қатты жалынса да, патшаның барғысы келмеди, бирақ баласына пәтия берди.
26. Сонда Абшалом патшаға: – Онда әжағам Амнонның бизлер менен бирге барыўына рухсат бериң, – деди. Патша оннан: – Амнон неге сениң менен барыўы керек? – деп сорады.
27. Бирақ Абшалом жалына бергеннен кейин, патша Амнонды ҳәм басқа улларының ҳәммесин оның менен бирге жиберди.
28. Абшалом хызметшилерине былай деп буйырды: «Амноннан көз үзбеңлер! Ол шарап ишип, мәс болған ўақытта, мен сизлерге: „Амнонды өлтириң“, – деп айтаман. Сонда оны өлтириңлер. Қорқпаңлар! Сизлерге буйрықты мен берип атырман. Күшли ҳәм мәрт болыңлар!»
29. Хызметшилер Абшаломның буйрығын орынлап, Амнонды өлтирди. Сонда патшаның басқа уллары ғашырларына минип, қашып кетти.
30. Олар жолда киятырғанда, Даўытқа: «Абшалом патшаның барлық улларын өлтирипти, олардың бирде биреўи тири қалмапты», – деген хабар жетип келди.
31. Патша орнынан турды да, кийимлерин жыртып, өзин жерге таслады. Оның жанындағы барлық хызметшилери де кийимлерин жыртты.
32. Сонда Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионадаб былай деди: «Тақсыр, ҳәмме улларымнан айырылып қалдым деп ойламаңыз. Тек Амнон өлди. Себеби ол қарындасы Тамараның намысына тийгеннен бери, Абшалом Амнонды өлтириўди ойлап жүрген еди.
33. Сонлықтан тақсыр, ҳәмме улларыңыз өлди, деген хабардан тәшиўишленбең. Тек жалғыз Амнон ғана өлди».
34. Сол арада Абшалом қашып кетти. Гүзетши жигит төбешиктиң батыс жолынан үлкен бир аламанның киятырғанын көрди.
35. Ионадаб патшаға: «Әне, улларыңыз киятыр. Қулыңыздың айтқанындай болды», – деди.
36. Ол айтып болар-болмастан, патшаның уллары жетип келди де, дад салып жылай баслады. Патша да, хызметшилери де қатты өкирип жылады.
37. Ал Абшалом қашып, Гешур патшасы Аммиҳуд улы Талмайдың жанына барды. Даўыт улы Амнон ушын узақ ўақыт аза тутты.
38. Гешурға қашқан Абшалом ол жерде үш жыл болды.
39. Енди патша Даўыт Абшаломды сағына баслады. Себеби ол Амнонның өлимине жубаныш тапқан еди.
1. Серуя улы Иоаб патшаның Абшаломды сағынып жүргенин билди.
2. Ол биреўди жиберип, Теқоада жасайтуғын ақыллы бир ҳаялды алдырды. Иоаб ҳаялға: «Аза кийимлериңди кийип, өзиңди аза тутып жүрген адам сыяқлы көрсет. Әтир де жақпай, өзиңди узақ ўақыттан бери өлини азалап жүрген сыяқлы тут.
3. Кейин патшаға барып, оған мениң усы сөзлеримди жеткиз», – деди де, Иоаб ҳаялға нелерди айтыў кереклигин үйретти.
4. Солай етип, теқоалы ҳаял патшаға барды. Ол патшаның алдында ет- бетинен жығылып, тәжим етип, патшаға: – Тақсыр, маған жәрдем бериң, – деди.
5. Патша оннан: – Не болды? – деп сорады. Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди: – Мен бир бахытсыз жесир ҳаялман. Күйеўим өлип қалды.
6. Шорыңыз болған мениң еки улым бар еди. Олар атызда төбелесип қалыпты. Оларды айыратуғын ҳеш ким болмағаннан соң, биреўи биреўин урып, өлтирип қойыпты.
7. Енди пүткил тийре шорыңыз болған маған қарсы шығып: «Туўысқанын өлтирген адамды бизлердиң қолымызға бер. Туўысқанын өлтиргени ушын оны өлтирип, усылайынша мийрасхорды да жоқ қыламыз», – деп атыр. Солай етип, жер бетинде күйеўимниң атын ҳәм урпағын даўам еттиретуғын туяқ қалдырмаў ушын, олар мениң ошағымдағы қалған шоқты да өширежақ.
8. Патша ҳаялға: – Үйиңе қайта бер, бул исти сениң пайдаңа шешип беремен, – деди.
9. Сонда теқоалы ҳаял патшаға: – Тақсыр! Бул ўақыяға мен ҳәм мениң әкемниң хожалығы айыплы болсын. Патша ҳәм оның тахты айыпсыз болсын, – деди.
10. Патша ҳаялға: – Биреў саған қарсы бир нәрсе десе, оны маған алып кел. Ол қайтып саған тиймейтуғын болады, – деди.
11. Ҳаял патшаға: – Олай болса, өш алыўшы әменгерлер исин гүжитип, улымды өлтирип қоймаўы ушын, патша, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ҳақы ант ишсеңиз, – деди. Патша ҳаялға: – Тири Жаратқан Ийениң аты менен айтаман: улыңның бир тал шашы да түспейди, – деди.
12. Ҳаял патшаға: – Тақсыр, шорыңыз болған маған және бир сөз айтыўға рухсат берсеңиз, – деди. – Айт, – деди патша.
13. Ҳаял сөзин даўам етип былай деди: – Не ушын сиз Қудайдың халқына қарсы булай ислеп атырсыз? Патша, сиз усы гәпиңиз арқалы өзиңиз өзиңизди айыплап атырсыз. Өйткени өзиңиз қуўғын қылған адамды қайтармай атырсыз.
14. Жерге төгилген суўды қайтып жыйнаў мүмкин болмағаны сыяқлы, ҳәммемиз де дүньядан өтип кетемиз. Бирақ Қудай жанды набыт қылыўды қәлемейди. Ол қуўғын қылынған адамның Өзинен узақ кетпеўи ушын шара излейди.
15. Халық мени қорқытқаны себепли, тақсырыма усыларды айтып бериў ушын келдим. Мен өзимше: «Патша менен сөйлесейин, бәлким, ол шорысының тилегин орынлар.
16. Сөзлериме қулақ асып, мени ҳәм улымды өлтирмекши болып, Қудайдың берген мийрасынан айырыўды қәлегенлердиң қолынан қутқарар,
17. тақсырымның сөзи мени тынышландырар», – деп ойладым. Себеби сиз, тақсыр, жақсы менен жаманды айырыўда Қудайдың периштеси сыяқлысыз. Сизге Қудайыңыз Жаратқан Ийе яр болсын!
18. Патша ҳаялға: – Сеннен бир нәрсе сорайын, бирақ меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди. Ҳаял патшаға: – Сораң, тақсыр, – деп жуўап берди.
19. Патша ҳаялдан: – Бул ислердиң ҳәммесинде Иоабтың қолы бар ма? – деп сорады. Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди: – Тақсыр, алдыңызда ант ишип айтаман: сизден ҳеш нәрсени жасырыў мүмкин емес. Аўа, маған буйрық берген ҳәм шорыңызға усы сөзлердиң ҳәммесин үйреткен қулыңыз Иоаб болады.
20. Жағдайды өзгертиў ушын, қулыңыз Иоаб буны ойлап тапқан еди. Тақсыр, сиз Қудайдың бир периштеси сыяқлы дана болып, елдеги ўақыялардың ҳәммесинен хабардарсыз.
21. Сонда патша Иоабты шақыртып, оған: – Мейли, тилегиңди орынлайман. Барып, жас жигит Абшаломды қайтарып алып кел, – деди.
22. Иоаб ет-бетинен жерге жығылып, патшаға тәжим етти ҳәм оған миннетдаршылық билдирип: – Тақсыр, бүгин меннен кеўлиңиз толғанын билип турман. Себеби сиз қулыңыздың тилегин орынладыңыз, – деди.
23. Соңынан Иоаб Гешурға барып, Абшаломды Ерусалимге алып келди.
24. Бирақ патша: «Абшалом үйине кетсин, мениң алдыма келмесин», – деп буйрық берди. Сонлықтан Абшалом патшаны көрмей, өз үйине кетти.
25. Пүткил Израилда сын-сымбаты бойынша Абшалом сыяқлы мақтаўы артқан адам жоқ еди. Ол басынан аяғына шекем минсиз еди.
26. Абшаломға шашы аўырлық қылатуғын болғанлықтан, ол ҳәр жылы шашын кестиретуғын еди. Ол шашын кестирген ўақытта өлшететуғын еди. Оның шашының аўырлығы патшалықтағы өлшем бирлиги бойынша өлшегенде, еки жүз шекел шығатуғын еди.
27. Абшаломның үш улы ҳәм Тамара деген сулыў бир қызы бар еди.
28. Абшалом Ерусалимде еки жыл жасаса да, патшаны көре алмады.
29. Соңынан ол патшаға жибериў ушын Иоабты шақыртты. Бирақ Иоаб Абшаломға келиўди қәлемеди. Абшалом екинши рет шақыртты, бирақ Иоабтың және келгиси келмеди.
30. Сонда Абшалом қулларына: «Минекей, Иоабтың арпа атызы меникиниң жанында тур. Барып, атызға от бериң», – деди. Хызметшилер барып, Иоабтың атызына от берди.
31. Иоаб орнынан турды да, Абшаломның үйине барып: – Қулларың не ушын атызыма от берди? – деп сорады.
32. Абшалом оған былай деди: – Минекей, мен сени патшаның алдына жибериў ушын, усы жерге келиўиңди айтып, адам жоллаған едим. Сен арқалы патшаға: «Гешурдан не ушын келдим? Ол жерде қалғаным мен ушын жақсырақ болар еди», – деп айтпақшы едим. Енди мен патшаны көргим келеди. Егер айыплы болсам, мени өзи өлтирсин.
33. Сонда Иоаб барып, Абшаломның сөзлерин патшаға жеткизди. Патша Абшаломды шақыртты. Абшалом патшаның алдына келди де, оның алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти. Патша Абшаломды сүйди.
1. Буннан соң, Абшалом өзине бир саўаш арбасы, атлар ҳәм алдында жуўырып жүретуғын елиў сақшы таярлады.
2. Ол азанда ерте турып, қала дәрўазасына баратуғын жол бойында туратуғын еди. Өз арзын тыңлатып, ҳүким шығартыў ушын патшаға келген ҳәр бир адамды шақырып алып, оннан: «Қайсы қаладансаң?» – деп сорайтуғын еди. Сол адам Израилдың қайсы урыўынан келгенин айтатуғын еди.
3. Сонда Абшалом сол адамға: «Қара, сениң даўа исиң туўры ҳәм әдил. Бирақ патшаның жанында сени тыңлаў ушын тайынланған ҳеш ким жоқ», – дейтуғын еди.
4. Соңынан: «Қәнекей, енди мени елге қазы қылып қойса, өз арзысы менен келген ҳәр бир адамның исин әдалатлық пенен шешер едим», – деп қосып қоятуғын еди.
5. Егер биреў Абшаломға тәжим етиў ушын жақынласса, ол сол адамға қолын созатуғын ҳәм оны қушақлап, сүйетуғын еди.
6. Абшалом патшаға арыз қылып келген израиллылардың ҳәр бирине усылай қатнас жасайтуғын еди. Солай етип, ол израиллылардың кеўлин өзине аўдырып алды.
7. Арадан төрт жыл өткеннен соң, Абшалом патшаға былай деди: – Мениң Хебронға барып, Жаратқан Ийеге берген ўәдемди орынлап келиўиме рухсат берсеңиз.
8. Себеби қулыңыз болған мен Арам үлкесиндеги Гешурда жасап атырғанымда: «Егер Жаратқан Ийе мени Ерусалимге қайтарса, онда мен Хебронға барып, Оған сыйынаман», – деп ўәде берген едим.
9. Патша оған: – Аман-есен кете бер, – деди. Ол орнынан турып, Хебронға кетти.
10. Абшалом Израилдың пүткил урыўларына жасырын түрде хабаршылар жиберип, оларға: «Кәрнай даўысын еситиўден-ақ: „Абшалом Хебронда патша болды“, – деп айтыңлар», – деди.
11. Ерусалимнен мирәт етилген еки жүз адам болып өткен ўақыялардан бийхабар ҳалда, жақсы нийет пенен Абшаломға ерип кетти.
12. Абшалом қурбанлық шалып атырып, Даўыттың мәсләҳәтшиси гилолы Ахитофелди де Гило қаласынан алдыртты. Усылайынша қозғалаң күшейе берди. Өйткени Абшаломның изине ергенлердиң саны көбейип атырған еди.
13. Бир хабаршы Даўытқа келип: «Израиллылардың кеўли Абшаломға аўып кетти», – деди.
14. Сонда Даўыт Ерусалимде өзи менен бирге болған барлық хызметшилерине: – Турыңлар, қашайық! Болмаса, Абшаломнан қашып қутыла алмайсыз. Дәрҳал кетип қалмасақ, Абшалом изимизден тез жетип алып, бәлеге дуўшар етер, қаланы да қылыштан өткерер, – деди.
15. Патшаның хызметшилери: – Тақсыр, сиз қандай қарарға келсеңиз, бизлер орынлаўға таярмыз, – деп жуўап берди.
16. Солай етип, патша пүткил сарай халқын изине ертип, жолға шықты. Ал сарайға қарап турыўы ушын, он тоқалын сол жерде қалдырды.
17. Патша ҳәм оның изине ерген пүткил халық қаланың ең шетиндеги үйдиң жанына келип, тоқтады.
18. Сол жерден баслап, барлық хызметшилери, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм Гаттан өзине ерип келген гатлы алты жүз әскер патшаның алдынан жүрип өтти.
19. Патша гатлы Иттайға былай деди: – Неге сен де бизлер менен киятырсаң? Изиңе қайтып, жаңа патша менен қал. Өйткени сен ўатаныңнан қуўылған бир жат еллисең.
20. Сен кеше келгенсең. Бүгин қай жерге барарымды өзим билмей турып, сени де сергиздан қылайын ба? Изге қайт, әскерлериңди де өзиң менен алып қайт. Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм садықлығы саған яр болсын!
21. Бирақ Иттай патшаға: – Тақсыр, тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: өлим ушын болса да, өмир ушын болса да, сиз қай жерде болсаңыз, қулыңыз болған мен де сол жерде боламан, – деп жуўап берди.
22. Даўыт Иттайға: – Яқшы, онда алдыға өтип, жүре бер, – деди. Солай етип, гатлы Иттай ҳәм оның жанындағы ҳәмме адамлар бала- шағалары менен бирге жолын даўам етти.
23. Халық кетип баратырғанда, әтираптағы пүткил ел зар-зар жыласты. Патша Кидрон сайынан өтти. Пүткил халық шөлистанлыққа қарай жол алды.
24. Руўханий Садоқ пенен Қудайдың Келисим сандығын көтерген лебийлилер де сол жерде еди. Олар Қудайдың сандығын жерге қойды. Пүткил халық қаладан шығып болғанша, руўханий Абиятар төбешикке көтерилип, оларды күтип турды.
25. Соңынан патша Садоққа былай деди: «Қудайдың сандығын қалаға қайтарып алып бар. Егер Жаратқан Ийениң маған мийрими түскен болса, Ол мени изиме қайтарып, сандықты ҳәм сандық туратуғын орынды маған көрсетер.
26. Егер Ол маған: „Саған кеўлим толмады“, – десе, онда мен таярман. Ол маған мақул көргенин ислесин».
27. Патша сөзин даўам етип, руўханий Садоққа былай деди: «Жағдайды көрип турған жоқсаң ба? Улың Ахимаасты ҳәм Абиятардың улы Ионатанды жаныңа ал да, Абиятар менен бирге аман-есен қалаға қайт.
28. Сизлерден анық бир хабар алмағанымша, мен Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде күтип тураман».
29. Солай етип, Садоқ пенен Абиятар Қудайдың сандығын Ерусалимге қайтарып апарып, сол жерде қалды.
30. Ал Даўыт болса, жылап-еңиреп Зәйтүн таўына көтериле берди. Ол басын орап алып, жалаң аяқ кетип баратыр еди. Оның жанындағы адамлардың ҳәммеси де басларын орап алып, жылап-еңиреп таўға шығып баратыр еди.
31. Сол арада биреў Даўытқа: «Ахитофел де Абшаломның тәрепин алған тил бириктириўшилер арасында екен», – деп хабарлады. Сонда Даўыт: «Жаратқан Ийе, Ахитофелдиң кеңесин жоққа шығара гөр!» – деп дуўа етти.
32. Даўыт Қудайға сыйынатуғын таўдың төбесине жетип барғанда, Арк тийресинен болған Хушай кийими жыртылған, басына топырақ шашылған ҳалда оны қарсы алды.
33. Даўыт оған былай деди: «Мениң менен бирге кетсең, маған жүк боласаң.
34. Егер қалаға қайтып барсаң, Абшаломға: „Ҳәй патша, сизиң қулыңыз болмақшыман. Бурын әкеңизге қандай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен“, – деп айтарсаң. Усылай сен Ахитофелдиң мәсләҳәтин мениң ушын босқа шығарасаң.
35. Руўханийлер Садоқ пенен Абиятар сол жерде сениң менен бирге болады. Патшаның сарайында еситкенлериңниң ҳәммесинен оларды хабардар етип тур.
36. Садоқтың улы Ахимаас пенен Абиятардың улы Ионатан да сол жерде. Еситкенлериңниң ҳәммесин олар арқалы маған жеткерип турасаң».
37. Солай етип, Даўыттың достысы Хушай Ерусалимге кетти. Сол ўақытта Абшалом да Ерусалимге кирип киятырған еди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.