Мухаддес Китап

3 Патшалар

1. Патша Даўыт қартайып, бираз жасқа барып қалды. Оның үстине қанша көрпе жаўса да, ол ҳеш ысымады.
2. Сонда хызметшилери Даўытқа: «Тақсыр! Жаныңызда болып сизге қараўы, қойныңызға кирип сизди ысытыўы ушын жас бир қыз табайық», – деди.
3. Хызметшилер пүткил Израилды аралап, сулыў қыз изледи ҳәм шунемли Абишаг деген жас ҳәм сулыў бир қызды таўып, оны патшаға алып келди,
4. Қыз жүдә гөззал еди. Ол патшаға қарап, оған хызмет етти. Бирақ патша қызға жақынласпады.
5. Даўыттың Хаггит деген ҳаялынан туўылған улы Адония: «Мен патша боламан», – деп көкирек көтерип жүрди. Ол өзине саўаш арбаларын, атлыларды ҳәм алдында жуўырып жүретуғын елиў сақшы алды.
6. Әкеси Даўыт ҳеш қашан оған: «Неге булай иследиң?» – деп, оны тәртипке шақырып турмайтуғын еди. Адония Абшаломнан кейин туўылған болып, ол да жүдә сымбаты келискен жигит еди.
7. Адония Серуя улы Иоаб ҳәм руўханий Абиятар менен кеңести ҳәм олар Адонияны қоллап-қуўатлады.
8. Бирақ руўханий Садоқ, Еҳояда улы Беная, пайғамбар Натан, Шимей, Рей ҳәм Даўыттың тән сақшылары Адонияға қосылмады.
9. Адония Рогел булағына жақын жердеги Зохелет тасының жанында қойлар, буғалар ҳәм семиртилген баспақларды қурбанлыққа шалды. Оған өзиниң пүткил туўысқанларын, яғный патшаның улларын ҳәм патшаға хызмет ететуғын барлық яҳудалыларды мирәт етти.
10. Бирақ пайғамбар Натанды, Бенаяны, патшаның тән сақшыларын ҳәм туўысқаны Сулайманды мирәт етпеди.
11. Сонда Натан Сулайманның анасы Бат-Шебаға былай деди: «Хаггиттен туўылған Адонияның өзин өзи патша деп жәриялағанын еситпедиңиз бе? Мырзамыз Даўыттың буннан хабары жоқ.
12. Енди өзиңиздиң ҳәм улыңыз Сулайманның өмирин қутқарып қалыўыңыз ушын сизге бир мәсләҳәт берейин.
13. Барып, патша Даўыттың алдына кириң ҳәм оған: „Тақсыр, меннен соң сениң улың Сулайман патша болып, мениң тахтыма отырады, деп маған ант ишкен жоқ па едиңиз? Онда неге Адония патша болды?“ – деп айтың.
14. Сиз патша менен сөйлесип атырғаныңызда, изиңизше мен де ишке кирип барып, сөзлериңизди тастыйықлайман».
15. Бат-Шеба патшаның жатақ жайына кирди. Патша қатты қартайған болып, шунемли Абишаг оған хызмет етип атырған еди.
16. Бат-Шеба жерге жығылып, патшаға тәжим етти. Патша оннан: – Тилегиң не? – деп сорады.
17. Бат-Шеба оған былай деп жуўап берди: – Тақсыр! Сиз: «Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң аты менен маған ант берген едиңиз.
18. Мине, ҳәзир Адония патша болып алған. Тақсыр, буннан сизиң хабарыңыз жоқ.
19. Ол бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Оған патшаның ҳәмме улларын, руўханий Абиятарды ҳәм сәркәрда Иоабты мирәт етти. Бирақ сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди.
20. Тақсыр, пүткил Израилдың көзи сизде. Олар өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын билдириўиңизди күтип атыр.
21. Болмаса, сиз дүньядан өтип, ата- бабаларыңызға қосылғаныңызда, маған ҳәм улым Сулайманға айып тағылады.
22. Бат-Шеба еле патша менен сөйлесип турғанда, пайғамбар Натан да келди.
23. Патшаға: «Пайғамбар Натан келди», – деп хабарлады. Натан патшаның алдына келди де, ет-бетинен жығылып, тәжим етти.
24. Соңынан Натан былай деди: «Тақсыр, сиз: „Меннен кейин Адония патша болады, тахтыма ол отырады“, – деген бе едиңиз?
25. Ол бүгин барып, бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалып, сизиң барлық улларыңызды, ордадағы әскербасыларды ҳәм руўханий Абиятарды мирәт етти. Ҳәзир ҳәммеси оның менен ишип-жеп: „Жасасын, патша Адония!“ – деп бақырысып атыр.
26. Бирақ Адония мени, руўханий Садоқты, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди.
27. Тақсыр, булардың ҳәммеси сизиң рухсатыңыз бенен болып атыр ма? Не ушын өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын қулларыңыз болған бизлерге билдирмедиңиз?»
28. Патша Даўыт: «Бат-Шебаны маған шақырың!» – деди. Бат-Шеба келип, патшаның алдында турды.
29. Патша Бат-Шебаға былай деди: – Мени барлық бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен:
30. «Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе алдында саған берген антымды бүгин орынлайман.
31. Сонда Бат-Шеба ет-бетинен жығылып, патшаға тәжим етти де: – Мырзам Даўыт патша мәңги жасасын! – деди.
32. Патша Даўыт: «Руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды ҳәм Еҳояда улы Бенаяны маған шақырың», – деди. Олардың ҳәммеси патшаның алдына келгенде,
33. патша оларға былай деди: «Мениң хызметкерлеримди жаныңызға алың ҳәм улым Сулайманды мениң ғашырыма миндирип, Гихон булағына апарың.
34. Ол жерде руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан оны майлап, Израилға патша етип қойсын. Кейин кәрнай шалып: „Жасасын, патша Сулайман!“ – деп жар салың
35. Соңынан оның изине ерип, қайтып келиң. Ол келип, мениң тахтыма отырады ҳәм мениң орныма патша болады. Мен оны Израил ҳәм Яҳудаға ҳүкимдар етип тайынладым».
36. Еҳояда улы Беная патшаға жуўап берип былай деди: «Аўмийин. Тақсыр, сизиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе де бул қарарды қоллап- қуўатласын.
37. Жаратқан Ийе сиз бенен бирге болғаны сыяқлы, Сулайман менен де бирге болсын ҳәм оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!»
38. Руўханий Садоқ, пайғамбар Натан, Еҳояда улы Беная ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар Сулайманды патша Даўыттың ғашырына миндирип, оны Гихонға алып барды
39. Руўханий Садоқ Мухаддес шатырдан зәйтүн майы қуйылған шақты алып, Сулайманның басына май қуйды. Соңынан олар кәрнай шалды ҳәм ҳәмме адамлар: «Жасасын, патша Сулайман!» – деп бақырды.
40. Халық Сулайманның изине ерип кетти. Олардың сырнай шалып, уллы қуўаныш пенен бақырысқан даўысларынан жер титиреди.
41. Адония ҳәм оның жанындағы қонақлар енди аўқатларын жеп болғанда, усы даўысты еситти. Иоаб кәрнай даўысын еситкенде: «Қаланы ләрзеге келтирип атырған бул не шаўқым екен?» – деди.
42. Ол еле сөйлеп турғанда, руўханий Абиятардың улы Ионатан келип қалды. Адония оған: – Ишке кир, сен өзиң садық адамсаң, алып келген хабарың да жақсы болса керек, – деди.
43. Ионатан оған былай деп жуўап берди: – Яқ, бул рет басқаша. Мырзамыз Даўыт патша Сулайманды патша етип қойды.
44. Патша руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшыларды Сулайманға қосып жиберди. Олар Сулайманды патшаның ғашырына миндирди.
45. Гихонда Сулайман руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан тәрепинен майланып, патша етип қойылды. Олар сол жерден қуўаныш пенен қайтып келди ҳәм қала жанланып кетти. Еситип турғаныңыз олардың даўыслары.
46. Сулайман ҳәзир патшалық тахтында отырыпты.
47. Буннан тысқары, патшамыз Даўытты қутлықлаўға келген хызметшилери: «Қудайыңыз Сулайманның атын сизиң атыңыздан атақлырақ, ал оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!», – дегенде, патша төсегинде жатып, тәжим етип:
48. «Бүгин көзимниң тирисинде урпағымнан бирин тахтыма отырғызғаны ушын Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» – деди.
49. Сонда Адонияның қонақларының ҳәммесин қорқыў басып, орынларынан турды да, ҳәр бири өз жолына түсти.
50. Адония болса, Сулайманнан қорққанынан орнынан турды да, қурбанлық орынға барып, оның шақларына жабысты.
51. Буны Сулайманға хабарлап: – Адония сизден қорқып, қурбанлық орынның шақларына жабысып алған. Ол: «Дәслеп патша Сулайман қулы болған мени қылыш пенен өлтирмейтуғынын айтып ант ишсин», – деп атыр, – деди.
52. Сулайман оларға: – Егер ол маған садық адам болса, оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Ал егер ишинде қандай да бир жаманлық бар болса, онда ол өлтириледи, – деп жуўап берди.
53. Соңынан патша Сулайман жиберген адамлар Адонияны қурбанлық орыннан алып келди. Адония келип, патша Сулайманға тәжим етти. Сулайман оған: «Үйиңе бар», – деди.
1. Даўыттың өлими жақынласқанда, ол улы Сулайманға мына ўәсиятларды берди:
2. «Басқалар сыяқлы мен де жақын арада бул дүньяны тәрк етемен. Сен күшли ҳәм мәрт бол.
3. Ислеген ҳәр бир исиңде ҳәм барған ҳәр бир жериңде табысқа ерисиўиң ушын, Қудайың болған Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап, Оның жолларынан жүр ҳәм Муўсаның Нызамында жазылғанындай, Қудайдың қағыйдаларына, буйрықларына, нызамларына ҳәм қарарларына бойсын.
4. Сонда Жаратқан Ийе маған берген мына сөзин орынлайды: „Егер урпақларың өз жолларынан адаспай, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Маған садық болып жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“.
5. Буннан тысқары сен Серуя улы Иоабтың маған нелер ислегенин билесең. Ол Израилдың еки сәркәрдасы Нер улы Абнер менен Етер улы Амасаны өлтирип, тынышлық ўақтында урыстағыдай қан төкти ҳәм белиндеги белбеўи менен аяғындағы сандалларын қанға былғады.
6. Сен ақылыңа салып, ис тут. Бирақ оның ағарған басының өлилер мәканына тынышлық пенен кириўине жол қойма.
7. Гиладлы Барзиллайдың улларына жақсылық исле. Оларға дастурханыңнан аўқатланатуғынлар арасынан орын бер. Өйткени мен әжағаң Абшаломнан қашып жүргенимде, олар маған жәрдем берди.
8. Бенямин урыўынан болған бахуримли Гераның улы Шимей де сениң жаныңда. Ол Маханайымға қарай қашып баратырғанымда, мени қатты ғарғаған еди. Бирақ соңынан ол мени күтип алыў ушын Иордан дәрьясының бойына келди. Сонда мен оған: „Сени қылыш пенен өлтирмеймен“, – деп Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен едим.
9. Деген менен, сен оны жазасыз қалдырма. Сен ақыллы адамсаң, оған не ислеўди өзиң билесең. Оның ақ шашлы басын өлилер мәканына қаны менен жибер».
10. Даўыт өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол өзиниң аты менен аталған қалаға жерленди.
11. Даўыт Израилда қырық жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди.
12. Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың тахтына отырды ҳәм оның патшалығы жүдә беккем болды.
13. Хаггит улы Адония Сулайманның анасы Бат-Шебаның жанына барды. Бат-Шеба оннан:– Аманлық па? – деп сорады. Адония оған: – Аманлық, – деп жуўап берди.
14. Соңынан ол: – Сизге бир нәрсе айтпақшы едим, – деди. Бат-Шеба оған: – Айта бер, – деди.
15. Адония Бат-Шебаға былай деди: – Өзиңиз билесиз, патшалық маған тийисли еди ҳәм пүткил Израил мениң патша болыўымды күтип жүрген еди. Бирақ жағдай өзгерип, патшалық инимниң қолына өтти. Себеби Жаратқан Ийениң ерки усы еди.
16. Бирақ мениң сизден бир тилегим бар. Өтинемен, қарсылық билдирмең. Бат-Шеба: – Айт, – деди.
17. Сонда Адония Бат-Шебаға: – Өтинемен, патша Сулайман менен сөйлесиң. Ол сизге қарсылық билдирмейди. Маған шунемли Абишагты ҳаяллыққа берсин, – деди.
18. Бат-Шеба оған: – Яқшы, сен туўралы патша менен сөйлесип көрейин, – деп жуўап берди.
19. Бат-Шеба Адонияның өтиниши туўралы сөйлесиў ушын патша Сулайманға кетти. Сулайман анасын күтип алыў ушын орнынан турып, анасына тәжим етти ҳәм соңынан тахтына отырды. Патша өзиниң оң тәрепине бир тахт қойдырып, оған анасын отырғызды.
20. Анасы тахтқа отырғаннан соң, патшаға: – Сеннен кишкене бир өтинишим бар еди, сөзимди жерде қалдырма, – деди. Патша оған:– Айта бер, анажан, сөзиңизди жерде қалдырмайман, – деди.
21. Бат-Шеба патшаға: – Шунемли Абишагты әжағаң Адонияға ҳаяллыққа берсең қәйтеди? – деди.
22. Патша Сулайман анасына: – Не ушын Адонияға тек шунемли Абишагты сорап турсыз? Ол ушын патшалықты да сорасаңыз болар еди. Ақыры ол меннен үлкен. Буның үстине, руўханий Абиятар менен Серуя улы Иоаб та ол тәрепте емес пе? – деди.
23. Соңынан патша Сулайман Жаратқан Ийениң аты менен ант ишип былай деди: «Егер Адонияны бул гәпи ушын өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!
24. Мени күшке толтырып, әкем Даўыттың тахтына отырғызған ҳәм Израил патшаларының мениң урпағымнан келип шығатуғынын айтып, ўәде еткен тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Адония бүгин-ақ өлтириледи»
25. Солай етип, патша Сулайман Еҳояда улы Бенаяға Адонияны өлтириўди буйырды. Ол барып, Адонияны өлтирди.
26. Патша руўханий Абиятарға: «Сен Анатоттағы өз жериңе бар. Негизинде, сен өлимге ылайықлысаң. Бирақ ҳәзир сени өлтирмеймен. Себеби сен әкем Даўыттың алдында Қудай Ийениң сандығын көтерип жүрдиң ҳәм әкем шеккен ҳәр бир азапты оның менен бирге бастан кеширдиң», – деди.
27. Сулайман Абиятарды Жаратқан Ийениң руўханийлигинен шетлетти. Солай етип, Жаратқан Ийениң Шилода Элийдиң үй-ишине қарсы айтқан сөзи орынланды.
28. Бул хабар Иоабқа да жетти. Иоаб Абшаломға қосылмаған болса да, Адонияны қоллап-қуўатлаған еди. Сонлықтан Иоаб Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның шақларына жабысты.
29. Иоабтың Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның жанында турғаны патша Сулайманға хабарланды. Сулайман Еҳояда улы Бенаяға барып, оны өлтириўди буйырды.
30. Беная Жаратқан Ийениң шатырына барып, Иоабқа: – Патша сыртқа шығыўыңды буйырады, – деди. Бирақ Иоаб: – Яқ, мен усы жерде өлмекшимен, – деп жуўап берди. Сонда Беная барып, Иоабтың берген жуўабын патшаға жеткизди.
31. Патша Бенаяға былай деди: «Оның айтқанындай исле. Оны өлтирип, жерле. Усылайынша, Иоабтың жазықсыз төккен қанларының қунын мениң ҳәм әкемниң урпақларының мойнынан алып тасла.
32. Жаратқан Ийе оның төккен қаны ушын өзин жазаласын. Себеби ол әкем Даўытқа билдирместен, өзинен әдилирек ҳәм өзинен жақсырақ болған еки адамды: Израилдың сәркәрдасы Нер улы Абнерди ҳәм Яҳуданың сәркәрдасы Етер улы Амасаны қылыш пенен өлтирди.
33. Солай етип, олардың қаны мәңгиге Иоабтың ҳәм оның урпақларының мойнында қалады. Ал Жаратқан Ийе Даўытқа, оның урпақларына, үй-ишине ҳәм тахтына мәңгиге тынышлық береди».
34. Еҳояда улы Беная барып, Иоабты өлтирди ҳәм ол шөлдеги өз үйине жақын жерге жерленди.
35. Патша Иоабтың орнына Еҳояда улы Бенаяны сәркәрда етип, ал Абиятардың орнына Садоқты руўханий етип тайынлады.
36. Буннан кейин патша адам жиберип, Шимейди шақыртты ҳәм оған былай деди: – Ерусалимде бир үй қурып алып, сол жерде жаса. Ҳеш жаққа кетпе.
37. Ол жерден шығып, Кидрон сайынан өткен күниң-ақ сөзсиз өлтирилетуғыныңды билип қой. Өз қаның ушын өзиң жуўапкер боласаң.
38. Шимей патшаға: – Тақсыр, қуллық. Сиз не десеңиз, қулыңыз болған мен соны орынлайман, – деди. Солай етип, Шимей узақ ўақыт Ерусалимде жасады.
39. Бирақ арадан үш жыл өткеннен соң, Шимейдиң еки қулы Гат патшасы Мааха улы Ахиштиң жанына қашып кетти. Шимейге қулларының Гатта екенлиги туўралы хабар келди.
40. Сонда Шимей ешегин ертлеп, қулларын излеў ушын Гатқа, Ахиштиң жанына кетти. Ол қулларын қайтарып әкелди.
41. Шимейдиң Ерусалимнен шығып, Гатқа барып қайтқаны туўралы Сулайманға хабар жетти.
42. Сонда Сулайман Шимейди шақыртып, оған былай деди: «Саған Жаратқан Ийениң аты менен ант иштирген жоқ па едим? „Билип қой, қаладан шығып, қандай да бир жерге барған күниң-ақ сөзсиз өлтирилесең“, – деп ескертпеген бе едим? Сен де маған: „Қуллық, ыразыман“, – демеген бе едиң?
43. Онда неге Жаратқан Ийениң алдында ишкен антыңа ҳәм мениң буйрығыма бойсынбадың?»
44. Патша сөзин даўам етип, Шимейге және былай деди: «Сен әкем Даўытқа ислеген барлық жаманлықларыңды жақсы билесең. Бул ислеген жаманлықларыңды Жаратқан Ийе өзиңе қайтарады.
45. Бирақ Жаратқан Ийе мени жарылқасын ҳәм Даўыттың тахты Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге тербелмесин».
46. Патша Еҳояда улы Бенаяға буйрық берди. Ол Шимейди алып шығып, өлтирди. Солай етип, Сулайманның патшалығы беккемленди.
1. Сулайман Мысыр фараонының қызларының бирине үйленип, фараон менен байланыс дүзди. Ол ҳаялын Даўыттың қаласына алып келди. Сулайман өз сарайын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм Ерусалимниң әтирапындағы дийўалларды тиклегенше, ҳаялы сол жерде жасады.
2. Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар беретуғын еди. Себеби сол ўақытқа шекем Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурылмаған еди.
3. 3Сулайман әкеси Даўыттың көрсетпелери менен жүрип, Жаратқан Ийени сүйетуғын еди. Деген менен, ол да сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4. Патша қурбанлық бериў ушын Гибон қаласына кетти, себеби сыйыныў орнының ең баслысы сол жерде еди. Сулайман сол қурбанлық орында мың бас малды жандырылатуғын қурбанлыққа берди.
5. Гибонда болғанда, Сулайман түнде түс көрди. Түсинде Жаратқан Ийе оған көринип: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди.
6. Сулайман Оған былай деди: – Сен қулың болған әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң. Себеби ол ҳақ ҳәм Саған садық болып, Сениң алдыңда шын жүректен туўры ислерди ислеп жүрди. Сен бүгин оған тахтына отыратуғын бир ул инам етип, оған үлкен жақсылық ислеўди даўам еттиң.
7. О Қудайым, Жаратқан Ийе, Сен Өз қулыңды әкем Даўыттың орнына патша етип қойдың. Бирақ мен еле жүдә жаспан, басқарыўға еле тәжирийбем жоқ.
8. Қулың Өзиң таңлаған халықтың, көплигинен санап шығыў мүмкин болмаған уллы халықтың ортасында тур.
9. Сонлықтан жаман менен жақсыны айырып билип, халқыңа бийлик етиўим ушын, маған ақылға толы бир жүрек бер. Болмаса, Сениң бул уллы халқыңды ким басқара алады?
10. Сулайманның бул тилегине Жаратқан Ийениң кеўли толды.
11. Қудай Сулайманға былай деди: – Сен өзиң ушын узақ өмир, байлық ҳәм душпанларыңның өлимин тилемедиң, ал дурыс ҳүким жүргизиў ушын даналық сорадың.
12. Мен сениң тилегиңди орынлайман. Саған даналыққа ҳәм ақылға толы жүрек беремен. Саған уқсағаны сеннен бурын болмаған ҳәм сеннен кейин де болмайды.
13. Саған сорамағанларыңды да: байлық ҳәм даңқты да беремен. Өмириң бойы патшалар арасында саған тең келетуғыны болмайды.
14. Егер сен де әкең Даўыт сыяқлы қағыйдаларыма ҳәм буйрықларыма бойсынып, Мениң жолларым менен жүрсең, саған узақ өмир де беремен.
15. Сулайман оянғанда, буның түси екенин аңлады. Соңынан Ерусалимге келди. Ол Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында турып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Олпүткил хызметшилери ушын үлкен зыяпат берди.
16. Бир күни еки бузық ҳаял патшаның алдына келди.
17. Ҳаяллардың бири патшаға былай деди: «Тақсыр! Мен мына ҳаял менен бир үйде жасайман. Бизлер бирге қалған ўақытта, мен босандым.
18. Мен босанғаннан кейин, үшинши күни мына ҳаял да босанды. Бизлер бирге едик, үйде екеўимизден басқа ҳеш ким жоқ еди.
19. Түнде мына ҳаял баласын астына басып алып, бала өлип қалды.
20. Қулыңыз болған мен уйықлап атырғанымда, түн ортасында ол орнынан турып, мениң баламды жанымнан алып, өзиниң қойнына жатқарыпты. Ал өзиниң өлип қалған баласын болса, мениң қойныма салыпты.
21. Таңда баламды емизиў ушын турғанымда, ол жансыз жатырған екен. Бирақ азанда дыққат пенен қарағанымда, оның мениң балам емес екенин билдим».
22. Екинши ҳаял: «Яқ, тири бала меники, өлгени сеники», – деди. Биринши ҳаял: «Яқ, өлген бала сеники, ал тириси меники», – деди. Олар патшаның алдында усылай тартысып турды.
23. Сонда патша: «Биреўиңиз: „Тири бала меники, ал өлгени сеники“, – дейсиз. Екиншиңиз: „Өлген бала сеники, ал тириси меники“, – дейсиз.
24. Онда маған бир қылыш әкелиңлер!», – деди. Қылыш алып келингенде,
25. патша: «Тири баланы екиге бөлип, ярымын биреўине, қалған ярымын екиншисине бериңлер», – деп буйырды.
26. 6Сонда баласына жаны ашып, жүреги сызлаған тири баланың анасы патшаға: «Тақсыр, өтинемен, тири баланы өлтирмең, оны мына ҳаялға бериң», – деди. Ал екинши ҳаял болса: «Бала саған да, маған да жоқ, оны екиге бөлиң», – деди.
27. Сонда патша жуўап берип: «Тоқтаңлар, баланы өлтирмеңлер! Оны биринши ҳаялға бериңлер. Баланың анасы – сол болады», – деди.
28. Пүткил израиллылар патша шығарған бул ҳүкимди еситип, патшаны ҳүрмет ететуғын болды. Себеби олар Сулайманда әдил ҳүким шығарыў ушын, Қудайдан берилген даналық бар екенин билди.
1. Сулайман пүткил Израилдың патшасы еди.
2. Оның қол астындағы ҳәмелдарлары мыналар еди: Садоқ улы Азария – руўханий;
3. Шишаның уллары Элихореф пенен Ахия – хаткерлер; Ахилуд улы Еҳошафат – жылнамашы;
4. Еҳояда улы Беная – сәркәрда; Садоқ ҳәм Абиятар – руўханийлер;
5. Натан улы Азария – үлке ҳәкимлериниң баслығы; Натан улы Забуд – руўханий ҳәм патшаның мәсләҳәтшиси;
6. Ахишар – сарай басқарыўшысы; Абда улы Адонирам – мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер.
7. Сулайманның пүткил Израил үлкелерин басқаратуғын он еки ҳәкими бар еди. Олар патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеп туратуғын болып, олардың ҳәр бири жылына бир ай патшаны ҳәм оның үй- ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеўи шәрт еди.
8. Олардың атлары мыналар: Эфрайымның таўлы үлкесиниң ҳәкими Бен-Хур;
9. Мақас, Шаалбим, Бейт-Шемеш, Элон-Бейт-Ханан қалаларының ҳәкими Бен-Декер;
10. Сохо ҳәм пүткил Хефер жерлерин өз ишине алған Аруббот үлкесиниң ҳәкими Бен-Хесед;
11. Пүткил Нафат-Дор үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Тафаттың күйеўи Бен-Абинадаб;
12. Таанах, Мегиддо, Изреелдиң қубласындағы Саретанның жанындағы пүткил Бейт-Шеан ҳәм Бейт-Шеаннан Абел-Мехола менен Иоқмеамның арғы жағына дейин созылып жатырған үлкелердиң ҳәкими Ахилуд улы Баана;
13. Гиладтағы Менашше урпағынан болған Яирге тийисли қалаларды ҳәм Башандағы Аргоб дөгерегиндеги дийўаллар менен қоршалып, дәрўазасына қола тәмби басылған үлкен алпыс қаланы өз ишине алған Гилад жериндеги Рамот қаласының ҳәкими Бен-Гебер;
14. Маханайым үлкесиниң ҳәкими Иддо улы Ахинадаб;
15. Нафталий үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Басематтың күйеўи Ахимаас;
16. Ашер ҳәм Беалот үлкелериниң ҳәкими Хушай улы Баана;
17. Иссахар үлкесиниң ҳәкими Паруах улы Еҳошафат;
18. Бенямин үлкесиниң ҳәкими Эла улы Шимей;
19. Гилад жериниң, яғный аморлардың патшасы Сихон ҳәм Башан патшасы Огтың ески жерлериниң ҳәкими Урий улы Гебер. Ол сол үлкениң жалғыз ҳәкими еди.
20. Яҳуда ҳәм Израил халқы теңиздиң қумындай көп болып, олар жеп- ишип шадлық ишинде жасады.
21. Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегараларына шекемги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар Сулайманның өмири даўамында оған салық төлеп, хызмет етти.
22. Сулайманның сарайының бир күнлик азық-аўқаты отыз кор* сыпатлы бийдай уны, алпыс кор* ири тартылған бийдай уны,
23. семиртилген он буға, жайлаўдан алынған жигирма буға, жүз қой, және де, суўынлар, жейранлар, антилопалар ҳәм семиз қуслардан ибарат еди.
24. Сулайман Тифсахтан Газаға шекемги, Евфрат дәрьясының батысындағы пүткил патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Ол әтираптағы барлық еллер менен тынышлықта жасады.
25. Сулайманның дәўиринде Даннан Беер-Шебаға шекемги Яҳуда ҳәм Израил халқының ҳәр бири өзлериниң әнжир ҳәм жүзим ағашлары астында тыныш өмир сүрди.
26. Сулайманның саўаш арбалары ушын қырық мың ат қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди.
27. Сол он еки ҳәкимниң ҳәр бири өзи ушын белгиленген бир ай даўамында патша Сулайманды ҳәм оның дастурханынан аўқат жейтуғынлардың ҳәммесин азық-аўқат пенен тәмийинлейтуғын еди. Олар бирде бир кемшиликке жол қоймайтуғын еди.
28. Ҳәр бир ҳәким белгиленген жерге саўаш арбаларының атлары ҳәм шапқыр атлар ушын арпа менен сабан жеткизип туратуғын еди.
29. Қудай Сулайманға мол даналық, ақыл ҳәм теңиз жағасындағы қум сыяқлы шексиз терең түсиниўшилик берди.
30. Сулайманның даналығы пүткил шығыс халықларының даналығынан ҳәм Мысырдың пүткил даналығынан да үстин еди.
31. Ол барлық адамлардан өткен дана болып, эзрахлы Этаннан, Махолдың уллары Ҳеман, Калкол ҳәм Дардадан да дана еди. Оның даңқы әтираптағы пүткил халықларға жайылды,
32. Ол үш мың нақыл-мақал айтты ҳәм оның бир мың бес қосығы бар еди.
33. Сулайман Лебанон таўларындағы кедр ағашынан баслап, дийўалда өсип туратуғын майоран шөбине шекем сөз етти. Ол ҳайўанатлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм балықлар туўралы да айтты.
34. Ҳәмме халықлардан адамлар келип, Сулайманның дана сөзлерин тыңлайтуғын еди. Олар Сулайманның даналығы туўралы еситкен дүньяның барлық патшаларынан жиберилген еди.
1. Тир патшасы Хирам Сулайманның майланып, әкеси Даўыттың орнына патша етип қойылғанын еситкенде, Сулайманды қутлықлаў ушын елшилерин жиберди. Себеби Хирам өмир бойы Даўытқа дос болып келген еди.
2. Сулайман да Хирамға өз елшилерин жиберип, былай деди:
3. «Өзиңиз билесиз, әкем Даўыт әтирапындағы душпанлары менен саўаш жүргизгенликтен, Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қура алмады. Жаратқан Ийе саўашларда душпанларын оның аяғының астына таслағанға шекем, ол бул исти қыла алмады.
4. Енди Қудайым Жаратқан Ийе маған ҳәр тәреплеме тынышлық берди. Ҳәзир бирде бир душпаным да, дөнип турған қәўип те жоқ.
5. Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мен сениң тахтыңа отырғызатуғын улың Мениң атыма арнап Ибадатхана қурады“, – деген еди. Сонлықтан мен Қудайым болған Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыўды нийет еттим.
6. Енди мен ушын Лебанон таўларынан кедр ағашларын кесиў ушын адамларыңызға буйрық берсеңиз. Мениң адамларым да сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди ҳәм мен сизиң адамларыңызға өзиңиз белгилеген мийнет ҳақыны төлеймен. Бизлерде ағаш кесиўде сидонлылар сыяқлы тәжирийбели адамлар жоқ екенин өзиңиз билесиз».
7. Хирам Сулайманның бул сөзлерин еситкенде, қатты қуўанып: «Бүгин бул уллы бир халықты басқарыў ушын Даўытқа дана бир ул бергени ушын, Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» – деди.
8. Соңынан ол Сулайманға мына хабарды жиберди: «Маған жиберген хабарыңызды алдым. Кедр ҳәм сәрўи ағашларына байланыслы барлық тилеклериңизди орынлайман.
9. Адамларым оларды Лебанон таўларынан теңизге алып келеди. Мен оларды сал етип буўдырып, теңиз арқалы айтқан жериңизге жеткизип беремен. Адамларым сол жерде салларды шешип, жыйып береди, сизлер алып кетесизлер. Сиз де тилегимди орынлап, мениң үй-ишимди азық- аўқат пенен тәмийинлесеңиз».
10. Хирам Сулайманға керегинше кедр ҳәм сәрўи ағашларын берди.
11. Сулайман болса, Хирамның үй-ишиниң азық-аўқаты ушын ҳәр жылы жигирма мың кор бийдай, жигирма кор сапалы зәйтүн майын берип турды.
12. Жаратқан Ийе ўәде еткениндей, Сулайманға даналық берди. Сонлықтан Сулайман менен Хирам арасында татыўлық болып, олар өз ара келисим дүзди.
13. Патша Сулайман қара жумыс ислетиў ушын пүткил Израилдан отыз мың адамды мәрдикарға алды.
14. Гезек пенен ҳәр айда олардан он мыңын Лебанон таўларына жиберди. Олар бир ай Лебанон таўларында, еки ай үйлеринде болатуғын еди. Бул адамларға Адонирам басшылық етти.
15. Және де, Сулайманның жүк тасыйтуғын жетпис мың адамы ҳәм таўларда тас кесетуғын сексен мың адамы бар еди.
16. Булардан тысқары, Сулайман истиң барысын бақлап, жумысшыларды қадағалап туратуғын үш мың үш жүз қадағалаўшы тайынлады.
17. атшаның буйрығы бойынша, жумысшылар Ибадатхананың тийкарын жонылған таслардан қалаў ушын үлкен ҳәм сапалы тасларды кесип шығарды.
18. Сулайманның ҳәм Хирамның адамлары гебаллылар менен бирге Ибадатхананың қурылысы ушын ағашлар менен тасларды жонып таярлады.
1. Израил халқының Мысырдан шыққанына төрт жүз сексен жыл болғанда, Сулайманның Израил тахтына отырғанына төрт жыл болған еди. Ол сол жылдың екинши айында, яғный Зиў айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қурылысын баслады.
2. Патша Сулайманның Жаратқан Ийеге арнап қурған Ибадатханасының узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ, ал бийиклиги отыз шығанақ еди.
3. Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, ал ени он шығанақ болды.
4. Сулайман Ибадатханаға сыртқа қараған жағы тарлаў, ишке қараған жағы кеңлеў болған айналар ислетти.
5. Ибадатхананың сыртын, яғный үлкен бөлмениң ҳәм Ең мухаддес бөлмениң дийўалларын айландырып, үш қабатлы қосымша бөлмелер ислетти.
6. Ең төменги қабаттың ени бес шығанақ, ортанғы қабаттың ени алты шығанақ, үшинши қабаттың ени жети шығанақ еди. Ибадатхананың дийўалларына ислеў бермеў ушын, бөлмелер текшеге уқсатып өрилген Ибадатхананың дийўалларына бөренелер арқалы бириктирилди.
7. Ибадатхананың қурылысы ушын пайдаланылатуғын таслар кәнниң өзинде жонып таярланды. Сонлықтан Ибадатхана қурылып атырғанда, шөккиштиң де, балтаның да, басқа темир әсбабының да сести еситилмеди.
8. Ортадағы қосымша бөлмениң есиги Ибадатхананың қубла тәрепинде еди. Айланба текше арқалы ортанғы қабатқа, оннан үшинши қабатқа өтетуғын еди.
9. Сулайман Ибадатхананы қурып тамамлады. Төбесин кедр бөренелер ҳәм кедр ағашынан исленген тахталар менен бастырды.
10. Және де, ол пүткил Ибадатхананы айландырып, ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ болған қосымша бөлмелер салдырды. Олар Ибадатхана дийўалына кедр бөренелер менен бекитилди.
11. Жаратқан Ийеден Сулайманға мынадай сөз түсти:
12. «Мине, сен Ибадатхана қурып атырсаң. Егер сен Мениң қағыйдаларымды, нызам ҳәм буйрықларымды орынлап жүрсең, онда Мен әкең Даўытқа берген сөзимди сен арқалы орынлайман.
13. Мен израиллылар арасында жасап, халқым Израилды ҳеш қашан тәрк етпеймен».
14. Солай етип, Сулайман Ибадатхананы қурып питкерди.
15. Ол Ибадатхананың ишки дийўалын еденнен төбеге шекем кедр ағашынан исленген тахталар менен қаплады, ал еденине сәрўи ағашынан исленген тахталар төсетти.
16. Ибадатхананың арқа тәрепиниң ең төрин еденнен төбесине дейин кедр тахталар менен бөлдирип, узынлығы жигирма шығанақ болған бир бөлме ажыраттырды. Ол жер Ең мухаддес бөлме деп аталды.
17. Ең мухаддес бөлмениң алдындағы үлкен бөлмениң узынлығы қырық шығанақ еди.
19. Дийўалдағы таслар көринбеўи ушын Ибадатхананың ишин қаплап турған кедр тахталарға асқабақлар ҳәм асылып турған гүллер ойып салынды.
20. Ибадатхананың ишиндеги ең төрги бөлме Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қойыў ушын таярланды.
21. Бул бөлмениң узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ ҳәм бийиклиги де жигирма шығанақ еди. Сулайман усы бөлмени де, кедр ағашынан исленген түтетки түтетилетуғын орынды да сап алтын менен қаплатты.
22. Ибадатхананың иши бастан-аяқ ҳәм Ең мухаддес бөлмениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орын алтын менен қапланды.
23. Ең мухаддес бөлмеге қойыў ушын зәйтүн ағашынан исленген, ҳәр бириниң бийиклиги он шығанақ болған еки керуб исленди.
24. Ҳәр қанаты бес шығанақ болған керубтың жайылған еки қанатының узынлығы он шығанақ болды. 25Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди.
25. Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди.
26. Еки керубтың да бийиклиги он шығанақ еди.
27. Сулайман керубларды Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ортасына қойды. Керублардың жайылған қанатларының бир ушы бөлмениң дийўалларына тийип, екинши ушлары бөлмениң ортасында бир-бирине тийисип турды.
28. Сулайман керубларды да алтын менен қаплатты.
29. Ибадатхананың ишки ҳәм сыртқы бөлмелериниң ҳәмме дийўалларына айландырып керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырды.
30. Усы еки бөлмениң еденлерин де алтын менен қаплатты.
31. Ең мухаддес бөлмениң кирер аўзына зәйтүн ағашынан жақлаўы бес қырлы болған жарма қапы ислетти.
32. Ол зәйтүн ағашынан исленген жарма қапыларға керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринисин ойып салдырып, қапыларды алтын менен қаплатты. Керублар менен пальма ағашларының сүўретлерин де алтын менен қаплатты.
33. Үлкен бөлмениң кирер аўзына да зәйтүн ағашынан төрт мүйешли жақлаў ислетип,
34. жақлаўға жыйналатуғын еки жарма қапыны сәрўи ағашынан ислетти.
35. Буларға да керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырып, оларды алтын менен қаплатты.
36. Ол ишки ҳәўли қурдырып, оның дийўалларын үш қатар жонылған тастан ҳәм бир қатар кедр ағашынан ислетти.
37. Сулайман өз патшалығының төртинши жылының Зиў айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын қойған еди.
38. Ал он биринши жылдың сегизинши айы болған Бул айында Ибадатхана алдын ала белгиленгениндей етип, барлық майда-шүйдесине шекем қурып болынды. Сулайман Ибадатхананы жети жылда қурып болды.
1. Сулайман өзи ушын да сарай қурдырып, оны он үш жылда толық тамамлады.
2. Ол қурдырған Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайдың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ еди. Сарай төрт қатар етип қойылған кедр өрелерден ҳәм олардың үстине қойылған кедр бөренелерден ибарат еди.
3. Өрелердиң үстине, ҳәр қатарға он бес бөренеден қойылған болып, усы қырық бес бөренениң үстине кедр тахталар төселген еди.
4. Имараттың еки тәрепиндеги айналары үш қатардан ибарат болып, олар бир-бирине қарап турған еди.
5. Барлық қапылар ҳәм олардың жақлаўлары төрт мүйешли еди. Айналар болса, үш қатар етип, бир-бирине қарама-қарсы қурылған еди.
6. Сулайман узынлығы елиў шығанақ, ени отыз шығанақ болған өрели бир айўан ислетти. Айўанның алдында өрелер қойылып, үсти бастырылған шертек бар еди.
7. Және де, тахт туратуғын, яғный ол жерде өзи отырып қазылық ететуғын Ҳүким шығарыў айўанын қурдырды. Оны еденинен төбесине шекем кедр тахталар менен қаплатты.
8. Усы айўанның арқа тәрепиндеги Сулайман жасайтуғын сарай да усы тақылетте салынған еди. Сулайман ҳаялы, фараонның қызы ушын да анық усындай бир сарай қурып берди.
9. Бул имаратлардың ҳәммеси иши ҳәм сырты тийкарынан төбесине дейин ҳәм сыртынан үлкен ҳәўлиге дейин жарғылар менен кесилип, еки тәрепи де жонылған ҳәм белгиленген өлшем бойынша таярланған сапалы таслардан салынған еди.
10. Тийкары он шығанақ ҳәм сегиз шығанақ келетуғын үлкен, сапалы таслардан қаланды.
11. Дийўалы да өлшем бойынша кесилген сапалы таслардан өрилип, дийўал ушын кедр ағашы да пайдаланылды.
12. Үлкен ҳәўлиниң айналасы жонылған тастан үш қатар ҳәм кедр бөренеден бир қатар етип, айландырып өрилген еди. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишки ҳәўлисиниң ҳәм айўанының дийўаллары да усылай исленген еди.
13. Патша Сулайман хабар жиберип, Тирден Хирамды алдырды.
14. Оның анасы Нафталий урыўынан болған бир жесир ҳаял, ал әкеси тирли мыскер еди. Хирам қоладан зат ислеў уқыбын, шеберлигин ҳәм қәбилетин ийелеген уста еди. Ол патша Сулайманға келип, оның барлық ислерин орынлады.
15. Хирам қоладан еки өре иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги он сегиз шығанақ, ал ҳәр бириниң айнала өлшеми он еки шығанақ келетуғын еди,
16. Және де, өрелердиң үстине қойыў ушын, қоладан еқуйып иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.ки төбелик
17. Өрениң төбелигиниң ҳәр бири торға уқсатып өрилген шынжырлар менен безелди.
18. Ол өрелердиң жоқарысындағы төбеликлерди жаўып турыў ушын, ҳәр бир торды еки қатар етип айландырып, қола анарлар менен безеди.
19. Айўандағы өрелердиң төбеликлери лала гүллерге уқсатып исленип, олардың ҳәр бириниң бийиклиги төрт шығанақ еди.
20. Ҳәр бир өрениң төбесиндеги тордың жанындағы кесеге уқсаған бөлегиниң үстине айландырып, еки жүзден анар салынған еди.
21. Хирам бул өрелерди Ибадатхананың айўанына орнатып, оның қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.
22. Өрелердиң төбеликлери лала гүл тақылетте еди. Солай етип, өрелерге байланыслы ислер тамам болды.
23. Хирам қоладан қуйма ҳаўыз жасады. Ол домалақ болып, оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, тереңлиги бес шығанақ, айнала узынлығы отыз шығанақ еди.
24. Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип асқабаққа уқсаған нағыслар қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
25. Ҳаўыз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди.
26. Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Ҳаўызға еки мың бат суў сыятуғын еди.
27. Хирам қоладан он түбелдирик иследи. Ҳәр бир түбелдириктиң узынлығы төрт шығанақ, ени төрт шығанақ, бийиклиги үш шығанақ еди.
28. Түбелдириклердиң дүзилиси мынадай еди: түбелдириклер жақлаўларға бекитилген төрт мүйешли қола тахталардан исленди.
29. Тахталарға, сондай- ақ жақлаўларға да арыслан, буға ҳәм керублардың сүўретлери салынды. Ал арыслан ҳәм буғалардың сүўретлериниң асты менен үстине аспа гүлшеңберлери ойып исленди.
30. Ҳәр бир түбелдириктиң қоладан исленген төрт дөңгелеги ҳәм оғы бар еди. Түбелдириктиң төрт тәрепине ләгенди услап турыў ушын қуйма тирепбердилер исленип, олардың ҳәр бир тәрепи гүлшеңберлер менен безетилген еди.
31. Түбелдириктиң үсти бетинде ләген қойыў ушын арналған дөңгелек ойық бар болып, ләген түбелдириктен жоқары қарай бир шығанақ шығып турған еди. Оның түбине дейинги тереңлиги бир ярым шығанақ еди. Ойықтың айнала дөгерегинде ойма нағыслар бар еди. Бирақ түбелдириклердиң тахталары дөңгелек емес, төрт мүйешли еди.
32. Түбелдириктиң тахталарының асты бетинде төрт дөңгелек бар болып, оның оғы түбелдирикке қатырылған еди. Ҳәр бир дөңгелектиң бийиклиги бир ярым шығанақ еди.
33. Дөңгелеклер саўаш арбаларының дөңгелеклерине уқсайтуғын еди. Оның ҳәмме нәрсеси: оқлары, тоғыны, кегейи ҳәм гүпшеги қуйма еди.
34. Ҳәр бир түбелдириктиң төрт мүйешинде түбелдирикке қатырылған төрт тирепберди бар еди.
35. Түбелдириктиң үстинде ярым шығанақ бийикликте бир жумалақ ҳалқа бар еди.Түбелдириктиң тирепбердилери менен тахталары түбелдирикке бириктирип исленген еди.
36. Хирам тирепбердилер менен тахталарға сыйғанынша, керублардың, арысланлардың, пальма ағашларының сүўретлерин, ал айналасына гүлшеңберлерди ойып салды.
37. Усылайынша, ол он түбелдирик иследи. Олардың ҳәммесиниң қуйылыўы да, өлшеми де, көриниси де бирдей болды.
38. Хирам он түбелдириктиң үстине қойыў ушын қоладан он ләген иследи. Ҳәр бир ләгенниң ени төрт шығанақ болып, оның ҳәр бирине қырық бат суў кететуғын еди.
39. Түбелдириктиң бесеўин Ибадатхананың қубла тәрепине, бесеўин арқа тәрепине қойды. Ал ҳаўызды болса, Ибадатхананың оң тәрепине, яғный қубла-шығысына қойды.
40. Буннан соң, Хирам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хирам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
41. еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелерин орап турған еки торлы әшекөй,
42. өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
43. он түбелдирик ҳәм түбелдирик үстине он ләген,
44. ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға,
45. күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар. Хирамның патша Сулайманға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп берген ҳәмме нәрсеси жылтыратылған қоладан исленди.
46. Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Саретан арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
47. Буйымлар соншелли көп болғанлықтан, Сулайман олар ушын кеткен қоланың өлшемин анықламады.
48. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын төмендеги затларды: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды, үстинде усынылған нанлар туратуғын столды,
49. Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда, оң тәрепте туратуғын бес ҳәсте менен шеп тәрепте туратуғын бес ҳәстени гүллерди, шыраларды ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышларды,,
50. қырмаларды, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды, Ибадатхананың ең төрги бөлмесиниң, яғный Ең мухаддес бөлмениң ҳәм үлкен бөлмениң қапыларының топсаларын алтыннан ислетти.
51. Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған ислерди тамамлағаннан соң, әкеси Даўыттың атаған гүмис, алтын ҳәм басқа затларын әкелип, Ибадатхананың қазнасына қойды.
1. Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израил халқының барлық ақсақалларын, урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды.
2. Ҳәмме жетинши ай болған Этаним айындағы байрам ўақтында* Сулайман патшаның алдына жыйналды.
3. Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, руўханийлер Келисим сандығын жерден көтерип алды.
4. Руўханийлер менен лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды.
5. Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды.
6. Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды.
7. Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды.
8. Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур.
9. Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Булар Мысыр жеринен шыққанда Жаратқан Ийениң израиллылар менен дүзген келисими жазылған тас тахталар еди.
10. Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шыққанда, бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды.
11. Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырып турған еди.
12. Сонда Сулайман былай деди: «Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң.
13. Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».
14. Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди.
15. Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди:
16. „Халқым Израилды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыў ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Ал халқым Израилды басқарыў ушын Даўытты таңладым“
17. Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди.
18. Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет.
19. Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди.
20. Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым.
21. Усы Ибадатхананың ишинде мен Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қоятуғын бир орын таярладым. Ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққанда, Жаратқан Ийениң олар менен дүзген келисими усы сандықтың ишинде тур».
22. Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып былай деди:
23. «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең.
24. Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың.
25. Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң алдымда өз жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң.
26. Израилдың Қудайы, енди Өз қулың, әкем Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
27. Расында да, Қудай жер бетинде жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?!
28. Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, бүгин оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал.
29. Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит.
30. Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
31. Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе,
32. Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
33. Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса,
34. нда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
35. Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса,
36. онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр
37. Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса, кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе,
38. сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса,
39. Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең.
40. Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын.
41. Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң атың себепли узақ елден келсе,
42. Сениң уллы атың, күшли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, усы Ибадатханаға келип дуўа етсе,
43. көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
44. Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған, яғный Жаратқан Ийеге дуўа етсе,
45. көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
46. Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, өзиниң жақын ямаса узақ бир елине алып кетсе,
47. олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса,
48. олар өзлерин тутқын қылған душпан елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
49. көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр.
50. Сениң көз алдыңда гүна ислеген халқыңды, олардың Саған қарсы ислеген барлық гүналарын кешире гөр. Оларды тутқын еткенлердиң оларға реҳимли болыўы ушын, оларды тутқын еткенлерге инсап бере гөр.
51. ебеби олар Мысырдан, темир ошақ ишинен Өзиң алып шыққан Өз халқың ҳәм Өз мийрасың.
52. Көзлериң мениң ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларында болсын. Саған жалбарынғанда бәрқулла оларды еситип, жуўап бере гөр.
53. Себеби, Қудай Ийе! Сен ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққаныңда қулың Муўсаға айтқаныңдай, пүткил дүнья халықлары арасынан оларды Өзиңе мийрас етип ажыратып алдың»
54. Сулайман Жаратқан Ийеге дуўа етиўин ҳәм жалбарыныўларын тамамлағаннан соң, Жаратқан Ийениң қурбанлық орны жанынан, қолларын көклерге жайыўы менен диз шөккен жерден турды.
55. Ол тик турып, қатты даўыс пенен пүткил Израил жәмийетине былай деп пәтия берди:
56. «Өз сөзинде турып, халқы Израилға тынышлық берген Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Оның қулы Муўса арқалы айтқан ийгиликли сөзлериниң ҳеш бири орынланбай қалмады.
57. Қудайымыз Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен бирге болғаны сыяқлы, бизлер менен де бирге болсын, бизлерди тәрк етпесин ҳәм таслап кетпесин.
58. Өзиниң жолларынан жүриўимиз, ата-бабаларымызға берген буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына бойсынып жасаўымыз ушын, бизлердиң жүреклеримизди Өзине қаратсын.
59. Аўа, Жаратқан Ийе алдында жалбарынып айтқан бул сөзлерим күни-түни Қудайымыз Жаратқан Ийениң ядында болып, бул қулының ҳәм халқы Израилдың күнделикли мүтәжликлерин берип турсын.
60. Солай етип, барлық халықлар Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билип қойсын.
61. Бүгингидей, Оның қағыйдалары бойынша жасаў ҳәм буйрықларын орынлаў ушын, пүткил жүрегиңизди Қудайымыз Жаратқан Ийеге арнаңлар».
62. Соңынан патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
63. Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, татыўлық қурбанлығы ушын шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын бағышлады.
64. Усы күни патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орнына жағылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ҳәм татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
65. Сонда Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерден келген пүткил Израил халқы Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында еки ҳәпте, улыўма он төрт күн байрамлады.
66. .Жети күнлик байрам тамам болғаннан кейин, сегизинши күни Сулайман халыққа рухсат берди. Олар да патшаға пәтия берип, Жаратқан Ийениң қулы Даўытқа ҳәм халқы Израилға ислеген жақсылықлары ушын кеўли толып, қуўаныш пенен үйлерине қайтты.
1. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин тамамлағаннан соң,
2. Гибонда көрингени сыяқлы, Жаратқан Ийе оған және көринди.
3. Ол Сулайманға былай деди: «Мен сениң дуўаларыңды ҳәм жалбарыныўларыңды еситтим. Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, сен Маған арнап қурған мына Ибадатхананы мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
4. Саған келсек, әкең Даўыт сыяқлы Мениң алдымда ҳадал жүрек ҳәм әдиллик пенен жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң,
5. онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, Израил ели үстинен сениң патшалығыңды мәңгиге туратуғын қыламан
6. Бирақ егер сен ҳәм сениң урпақларың Меннен жүз бурып, сизлерге берген буйрық ҳәм қағыйдаларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз,
7. онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етемен. Сонда Израил пүткил халықлар арасында әпсанаға айланып, күлкиге қалады.
8. Ал мына көркем Ибадатхана қарабақанаға айланады. Сонда оның жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады.
9. Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».
10. Сулайман еки имаратты: Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди.
11. Бул ислер ушын Тир патшасы Хирам Сулайманға керегинше кедр менен сәрўи ағашларын ҳәм алтын жеткерип берди. Сол себепли Сулайман Хирамға Галила үлкесиндеги жигирма қаланы берди.
12. Бирақ Хирам Тирден келип, Сулайманның өзине берген қалаларын көргенде, бул қалалар оған унамады.
13. Сонда Хирам Сулайманға: «Туўысқаным, маған берген қалаларың қандай қалалар өзи?» – деди ҳәм бул жерди Кабул* деп атады. Олар ҳәзир де солай аталады.
14. Хирам патшаға бир жүз жигирма талант алтын жиберген еди.
15. Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, өзиниң сарайын, Миллоны, Ерусалимниң дийўалларын, Хасор, Мегиддо ҳәм Гезер қалаларын қурдырыў ушын мәрдикарға адам жыйнаған еди.
16. Гезер қаласын Мысыр фараоны қолға алып, өртеп жиберген еди. Ал сол жерде жасап атырған кенаанлыларды болса, қырып таслап, қаланы Сулайманға ҳаяллыққа берген қызына еншиге берген еди.
17. Сол себепли Сулайман Гезер қаласын қайта қурған еди. Ол және төменги Бейт-Хоронды,
18. Баалатты ҳәм Яҳуда жериндеги шөлдеги Тамарды,
19. өзине тийисли пүткил телеклери бар қалаларды, саўаш арбалары менен атлары туратуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Буннан тысқары, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды
20. Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: амор, хетт, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди.
21. Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алып, қул етти. Бул ҳәзир де даўам етпекте.
22. Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды әскер, хызметкер, басшы, әскербасы, арбалы әскерлердиң басшысы етип қойды.
23. Сулайман жүргизип атырған ислердиң басында жумыс ислеп атырған халықты басқарып турған бес жүз елиў қадағалаўшы басшы бар еди.
24. Фараонның қызы Даўыттың қаласынан Сулайманның өзи ушын қурдырған сарайына көшип өткеннен соң, Сулайман Миллоны салдырды.
25. Сулайман Жаратқан Ийе ушын арнап қурдырған қурбанлық орында жылына үш рет жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын беретуғын ҳәм соның менен бирге Жаратқан Ийениң алдында түтетки түтететуғын еди. Солай етип, ол Ибадатхананың қурылысын тамамлады.
26. Патша Сулайман Эдом жеринде, Қамыс теңизи жағасында жайласқан Элат жанындағы Эсион-Геберде кемелер соқтырды.
27. Хирам теңизди жақсы билетуғын кемешилерин Сулайманның адамлары менен бирге кемеде Офирге жиберди.
28. Олар Офирге барып, патша Сулайманға төрт жүз жигирма талант алтын әкелип берди.
1. Шеба ҳаял патшасы Жаратқан Ийениң аты себепли Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын келди.
2. Ол хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап, бир қанша адамлары менен Ерусалимге келди ҳәм кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти.
3. Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди.
4. Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди.
5. Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс- турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
6. Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
7. Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше сол сөзлерге инанбаған едим. Маған булардың ярымын да айтпаған екен. Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен.
8. Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады.
9. Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
10. Шеба ҳаял патшасы патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде көп хош ийисли затлар буннан кейин ҳеш қашан алып келинген емес.
11. Хирамның Офирден алтын алып келген кемелери де сол жерден жүдә көп муғдарда сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди.
12. Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын тирепбердилер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин ондай дәрежеде көп сапалы арша ағашы әкелинбеген де, буны ҳеш ким көрмеген де еди.
13. Сулайман Шеба ҳаял патшасына кеўлинен шыққан бир қанша саўғаларын берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Буннан кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.
14. Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди.
15. Усақлап сатыўшылардан, саўдагерлердиң саўдасынан ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлеринен келип түсетуғын алтынлар буған кирмейтуғын еди.
16. Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел алтын жумсалды.
17. Және алтыннан ҳәр бири үш мина келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
18. Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты.
19. Тахттың алты басқалдағы бар еди. Тахттың сүйенгишиниң бас бети домалақ болып, отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини тур еди.
20. Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди.
21. Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген болып, ҳеш гүмис қолланылмаған еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди.
22. Теңизде Хирамның кемелериниң жанында Сулайманның да Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир рет алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
23. Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды.
24. Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, пүткил дүнья оны көриўге қуштар еди.
25. Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
26. Сулайман саўаш арбалары менен атлар жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы, он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
27. Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды.
28. Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм Қуўеден алып келинетуғын еди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди.
29. Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ал ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар Сулайманның саўдагерлери арқалы пүткил Хетт ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.
1. Сулайман фараонның қызынан басқа моаб, аммон, эдом, хетт халықларынан ҳәм сидонлылардан болған шет елли ҳаялларды сүйди.
2. Жаратқан Ийе Израил халқына усы халықлар туўралы: «Сизлердиң жүрегиңизди өзлериниң қудайларына аўдырмаўы ушын, олардан қыз алып, қыз бериспеўиңиз керек», – деген еди. Деген менен, Сулайман бул ҳаялларға сүйиспеншилик пенен байланды.
3. Сулайманның патша қызларынан болған жети жүз ҳаялы ҳәм үш жүз тоқалы бар еди. Ҳаяллары Сулайманды жолдан шығарды.
4. Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған әкеси Даўытқа уқсамады.
5. Ол сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға ере баслады.
6. Солай етип, Сулайман Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм өзин Жаратқан Ийеге толық бағышламады.
7. Сулайман Ерусалимниң шығысындағы бир төбеге моаб халқының жеркенишли қудайы Кемошқа ҳәм аммон халқының жеркенишли қудайы Молохқа арнап сыйыныў орнын қурды.
8. Ол өз қудайларына арнап түтетки түтетип, қурбанлықлар беретуғын шет елли ҳаялларының ҳәммеси ушын усылай иследи.
9. Жаратқан Ийениң Сулайманға ғәзеби келди. Себеби ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурған еди. Бурын Жаратқан Ийе Сулайманға еки рет көринип:
10. «Басқа қудайлардың изине ерме», – деп буйырған еди. Бирақ Сулайман Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбады.
11. Сонда Жаратқан Ийе Сулайманға былай деди: «Усылай етип, сен Мениң өзиң менен дүзген келисимиме ҳәм Мен буйырған қағыйдаларыма бойсынбағаның ушын, патшалықты сеннен тартып алып, қулларыңның бирине беремен.
12. Бирақ әкең Даўыттың ҳүрмети ушын, Мен буны сениң дәўириңде ислемеймен. Ал улыңның қолынан патшалықты тартып аламан.
13. Бирақ улыңның қолынан пүткил патшалықты тартып алмайман. Қулым Даўыттың ҳәм Өзим таңлап алған қалам Ерусалимниң ҳүрмети ушын, улыңа бир урыўды қалдыраман».
14. Солай етип, Жаратқан Ийе Эдом патшаларының нәсилинен болған эдомлы Ҳададты Сулайманға душпан қылып, оған қарсы көтерди.
15. Даўыт эдомлылар менен урыс алып барғанда, оның сәркәрдасы Иоаб өлгенлерди көмиў ушын келди ҳәм Эдомдағы еркеклердиң ҳәммесин қырып таслады.
16. Иоаб ҳәм пүткил израиллы әскерлер Эдомдағы еркек затының ҳәммесин қырып таслайман дегенше, сол жерде алты ай қалып кетти.
17. Бирақ сол ўақытта кишкене бала болған Ҳадад әкесине хызмет еткен базы эдомлылар менен бирге Мысырға қарай қашып кетти.
18. Олар Мидяннан шығып, Паранға барды ҳәм ол жерден базы паранлыларды қосып алып, Мысырға, фараонға барды. Фараон Ҳададқа үй ҳәм жер берди, оны азық-аўқат пенен тәмийинледи.
19. Ҳадад фараонның кеўлинен шықты. Фараон Ҳададты өз ҳаялының, ханбийке Тахпенестиң сиңлисине үйлендирди.
20. Тахпенестиң сиңлиси Ҳададқа Генубат атлы ул туўып берди. Тахпенес Генубатты фараонның үйинде өсирди. Ол фараонның балалары менен бирге өсти.
21. Ҳадад Мысырда ўақтында Даўыттың ҳәм оның сәркәрдасы Иоабтың өлгени туўралы еситти. Ол фараонға: – Рухсат берсеңиз, өз елиме қайтайын, – деди.
22. Фараон оған: – Өз елиме кетемен дейтуғындай, бул жерде бир нәрседен кемшилигиң бар ма? – деп сорады. Ҳадад оған жуўап берип: – Ҳасла, бирақ өтинемен, қайтыўыма рухсат бериң, – деди.
23. Қудай және бир душпанды, яғный өз ҳүкимдарынан, Соба патшасы Ҳададезерден қашқан Эляда улы Резонды Сулайманға қарсы көтерди.
24. Даўыт собалыларды қырып таслағаннан соң, Резон жанына қарақшыларды топлап, оларға басшы болған еди. Бул адамлар Дамаскке кетип, сол жерде қалған ҳәм Дамаскте ҳүкимдарлықты қолға киргизген еди.
25. Резон да Сулайманның өмири даўамында Израилға душпан болып келди. Ол Арамда патшалық етти ҳәм Ҳадад ислеген жаманлықларға қоса, ол да Израилға жаманлық ислеп келди.
26. Және, Сулайманның хызметкерлеринен бири Эфрайым урыўынан середалы Набат улы Яробам патшаға қарсы бас көтерди. Оның анасы Серуа деген бир жесир ҳаял еди.
27. робамның патшаға қарсы шығыўының себеби мынаў еди: Сулайман Миллоны қурдырып, әкеси Даўыттың қаласының дийўалындағы жарықларды питетти.
28. Яробам мәрт адам еди. Сулайман бул жигиттиң қәбилетли екенин көргенде, оны Юсуптиң урыўынан алынған пүткил мәрдикаршылар үстинен бақлаўшы етип қойды.
29. Бир күни Яробам Ерусалимнен сыртқа шыққанда, шилолы пайғамбар Ахия оны жолда қарсы алды. Ахияның үстинде таза кийим бар еди. Қала сыртындағы далада олардан басқа ҳеш ким жоқ еди.
30. Ахия үстиндеги таза кийимди шешти де, оны жыртып, оны он еки бөлекке бөлди.
31. Кейин Яробамға: «Он бөлегин өзиңе ал, себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Сулайманның қолынан патшалықты тартып аламан ҳәм он урыўды саған беремен.
32. Бирақ қулым Даўыттың ҳүрмети ҳәм Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалим ушын бир урыўды оған қалдыраман.
33. Себеби Сулайман Меннен жүз бурып, сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға, моаблардың қудайы Кемошқа ҳәм аммонлардың қудайы Милкомға табынып кетти. Ол Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, қағыйдалар ҳәм нызамларыма бойсынып жасаған әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм Мениң жолларымнан жүрмеди.
34. Деген менен, буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсынып жасаған, таңлап алған қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, пүткил патшалықты Сулайманның өзиниң қолынан тартып алмайман. Оны өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар етип қояман.
35. Бирақ патшалықты оның улының қолынан тартып алып, он урыўды Яробам, саған беремен.
36. Ал Мениң алдымда, атымның сол жерде болыўы ушын Өзиме таңлап алған қалам Ерусалимде қулым Даўыттың шырағы мәңгиге сөнип қалмаўы ушын, Сулайманның улына бир урыўды беремен.
37. Саған келсек, Мен сени таңлап аламан, сен кеўлиң күсеген нәрселердиң ҳәммесиниң үстинен бийлик жүргизип, Израилға патша боласаң.
38. Егер сен қулым Даўыт сыяқлы айтқанларымды орынлап, қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынып жасасаң, нәзеримде туўры болған ислерди ислеп, Мениң жолларым менен жүрсең, онда Мен сениң менен бирге боламан. Даўытқа ислегеним сыяқлы, сениң ушын да беккем бир урпақ – патшалар әўладын жаратып, Израилды саған беремен.
39. Сулайманның гүнасы себепли Даўыттың урпағын жазалайман, бирақ буны мәңгиге ислемеймен“».
40. Сулайман Яробамды өлтирмекши болды. Бирақ Яробам Мысырға, Мысыр патшасы Шишақтың жанына қашып кетип, Сулайманның өлимине шекем сол жерде жасады.
41. Сулайманның патшалығы дәўириндеги басқа ўақыялар, оның барлық ислери ҳәм даналықлары Сулайманның ислери китабында жазылған.
42. Сулайман қырық жыл даўамында пүткил Израилды Ерусалимде турып басқарды.
43. Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.
1. Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди.
2. Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, еле Мысырда еди.
3. Израиллылар Яробамды шақыртты. Сонда Яробам ҳәм пүткил Израил жәмийети Рехабамға келип:
4. – Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5. Рехабам оларға: – Енди барып, үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6. Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7. Ақсақаллар оған: – Егер бүгин сиз бул халыққа қул болып, хызмет етсеңиз ҳәм оларға жуўап бергенде, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8. Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жас хызметшилери менен кеңесип,
9. олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10. Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ.
11. Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12. Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди.
13. Патша ақсақаллардың өзине берген кеңесине қулақ аспай, халыққа қатал жуўап берди.
14. Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди.
15. Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийе шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлерин орынлаў ушын усылай иследи.
16. Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди: «Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар, Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ. Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар! Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!» Усыларды айтып, израиллылар өз үйлерине қайтып кетти.
17. Солай етип, Рехабам тек Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға ғана патшалық ете баслады.
18. Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Адонирамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти.
19. Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.
20. Пүткил израиллылар Яробамның Мысырдан қайтып келгенин еситкенде адам жиберип, оны өзлериниң жыйынына шақырды ҳәм пүткил Израил үстинен патша етип қойды. Яҳуда урыўынан басқа ҳеш бири Даўыттың урпағының қол астында қалмады.
21. Сулайманның улы Рехабам Ерусалимге барды да, Израил урыўлары менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, пүткил Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады.
22. Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Қудайдан мынадай сөз түсти:
23. «Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, пүткил Яҳуда, Бенямин урыўларына ҳәм сол жерде жасайтуғын басқа халықларға былай деп айт:
24. Жаратқан Ийе былай дейди: „Израиллыларға, өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Оның буйрығына бойсынып, үйлерине қайтты.
25. Яробам Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шехем қаласын беккемлеп, сол жерде жасай баслады. Соңынан ол жерден кетип, Пену-Эл қаласына қорған салды.
26. Яробам ишинен: «Патшалық және Даўыттың урпақларына өтиўи мүмкин.
27. Егер бул халық Ерусалимге, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлық бериў ушын бара берсе, жүреклери ҳүкимдарына, Яҳуда патшасы Рехабамға аўып кетер ҳәм мени өлтирип, патшасы Рехабам тәрепке өтип кетер», – деп ойлады.
28. Патша кеңесгөйлери менен кеңескеннен соң, алтыннан еки тананы ислетип, халыққа: «Ҳәй, Израил халқы, сыйыныў ушын енди Ерусалимге барыўыңыздың ҳәжети жоқ. Мине, сизлерди Мысырдан алып шыққан қудайларыңыз!» – деди.
29. Ол таналардың биреўин Бейт-Элге, екиншисин Дан қаласына қойды.
30. Бул аўыр гүнаға алып келди. Себеби халық таналардың биреўине табыныў ушын, ҳәтте, Данға қарай кете баслады.
31. Яробам сыйыныў орынларына бутханалар қурдырды ҳәм халық арасынан лебийлилерден болмаған адамларды руўханийлер етип қойды.
32. Яробам сегизинши айдың он бесинши күни* Яҳудадағы байрамға еликлеп бир байрам шөлкемлестирди. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында өзи соқтырған таналарына атап қурбанлықлар берди ҳәм сол жерде өзи қурдырған сыйыныў орынларының руўханийлерин хызметке қойды.
33. Ол өз қәлеўи менен белгилеп алған күни, сегизинши айдың он бесинши күни қурбанлықты жағып түтетиў ушын Бейт-Элде өзи қурдырған қурбанлық орынға барды. Сол күнди Израил урпақлары ушын байрам күни деп белгиледи.
1. Яробам қурбанлықты жағып түтетиў ушын қурбанлық орынның жанында турған ўақытта, Қудайдың адамы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳудадан Бейт-Элге келди.
2. Ол Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, қурбанлық орынға қарата былай деп бақырды: «Қурбанлық орын, ҳәй, қурбанлық орын! Жаратқан Ийе былай дейди: „Даўыттың урпағынан Иошия деген бир ул дүньяға келеди. Ол қурбанлықты жағып түтетип, сыйыныў орынларында хызмет еткен руўханийлерди сениң үстиңде қурбанлыққа береди. Сениң үстиңде адамның сүйеклери жағылады“».
3. Сол күни Қудайдың адамы буның белгиси туўралы былай деди: «Бул сөзлерди Жаратқан Ийениң айтқанлығын билдиретуғын белги мынаў: мына қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилип кетеди».
4. Патша Яробам Қудайдың адамының Бейт-Элде қурбанлық орынға қарсы бақырып айтқан сөзлерин еситкенде, қолын қурбанлық орыннан алып, оған қарай созды да: «Услаңлар оны!» – деп бақырды. Сонда оның Қудайдың адамына қарай созған қолы сәррийип қатып, қыймылдамай қалды.
5. Қудайдың адамының Жаратқан Ийениң сөзине муўапық айтқан белгиси бойынша, қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилди.
6. Сол ўақытта патша Яробам Қудайдың адамына: «Өтинемен, қолымның бурынғы ҳалына келиўи ушын, Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оннан реҳим етиўди сора», – деди. Қудайдың адамы Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, патшаның қолы жазылып, бурынғы ҳалына келди.
7. Патша Қудайдың адамына: – Мениң менен үйиме барып, аўқатланып, ҳәлленип ал, саған сыйлар берейин, – деди.
8. Бирақ Қудайдың адамы оған: – Байлығыңыздың ярымын берсеңиз де, мен сиз бенен бирге бармайман, бул жерден нан да жемеймен, суў да ишпеймен.
9. Себеби Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди.
10. Солай етип, Қудайдың адамы Бейт-Элге келген жолынан кери қайтпай, басқа жол менен кетти.
11. Бейт-Элде жасайтуғын бир ғарры пайғамбар бар еди. Уллары келип, оған сол күни Қудайдың адамының Бейт-Элде ислеген ислери ҳәм патшаға айтқанлары ҳаққында әкесине айтып берди.
12. Ғарры олардан: «Қудайдың адамы қайсы жолдан кетти?» – деп сорады. Уллары оған Яҳудадан келген Қудайдың адамының қайсы жолдан кеткенин көрсетти.
13. Сонда ғарры улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Уллары ешегин ертлегеннен соң,ол ешекке минип,
14. Қудайдың адамының изинен кетти. Оны теребинф ағашының астында отырған жеринен тапты ҳәм оннан: – Яҳудадан келген Қудайдың адамы сенбисең? – деп сорады. Сол адам: – Аўа, мен, – деп жуўап берди.
15. Ғарры пайғамбар оған: – Жүр, мениң менен үйге барып, аўқат жеп кет, – деди.
16. Қудайдың адамы оған: – Жолымнан қайтып, сиз бенен кете алмайман. Бул жерде нан да жемеймен, суў да ишпеймен.
17. Өйткени Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди.
18. Ғарры пайғамбар оған: – Мен де сен сыяқлы бир пайғамбарман. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бир периште келип, маған: «Оны қайтарып, үйиңе әкел. Ол нан жеп, суў ишип алсын», – деп айтты, – деди. Бирақ ғарры пайғамбар Қудайдың адамын алдаған еди.
19. Солай етип, Қудайдың адамы ғарры пайғамбар менен бирге изине қайтты ҳәм оның үйине барып, ишип-жеди.
20. Олар еле дастурхан әтирапында отырғанда, Қудайдың адамын жолынан қайтарған пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
21. Ғарры пайғамбар Яҳудадан келген Қудайдың адамына былай деп бақырды: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен Мениң сөзиме бойсынбадың, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың.
22. Жолыңнан қайтып, саған ишип-жеме деген жеримде ишип-жедиң. Сонлықтан сениң денең ата- бабаларыңның қәбирине қосылмайды“».
23. Қудайдың адамы ишип-жеп болғаннан соң, ғарры пайғамбар оның ешегин ертлеп берди.
24. Қудайдың адамы кетип баратырып, жолда бир арысланға тап болды, арыслан оны өлтирди. Ешек те, арыслан да созылып жатырған денениң жанында турған еди.
25. Жолдан өтип баратырғанлар жолда жатырған өликти ҳәм оның жанында турған арысланды көрди. Олар ғарры пайғамбар жасап атырған қалаға барып, көргенлерин айтып берди.
26. Қудайдың адамын жолдан қайтарған ғарры пайғамбар буны еситкенде: «Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбаған Қудайдың адамы сол болады. Сонлықтан Жаратқан Ийе Өз сөзи бойынша оған бир арысланды жиберди. Арыслан оны тилкимлеп өлтирди», – деди.
27. Ол улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Олар ешекти ертледи.
28. Ғарры кетип, жолда жатырған денени таўып алды. Ешек пенен арыслан еле денениң жанында турған екен. Арыслан денени де жемеген, ешекке де тиймеген еди.
29. Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди.
30. Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди.
31. Қудайдың адамын жерлегеннен кейин, пайғамбар ғарры улларына былай деди: «Өлгенимнен кейин, мени Қудайдың адамының қәбирине қойың, сүйеклеримди де оның сүйеклериниң жанына қойың.
32. Себеби оның Бейт-Элдеги қурбанлық орын ҳәм Самария қалаларындағы барлық сыйыныў орынлары туўралы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша айтқан сөзлери сөзсиз орынланады».
33. Бул ўақыядан кейин де, Яробам өзиниң жаман жолынан қайтпады. Ол халық арасынан қәлеген адамын сыйыныў орынларына руўханийлер етип қойыўын даўам етип, руўханий болыўды қәлеген ҳәр бир адамға хызмет берди.
34. Бул ислер Яробамның урпағының гүнаға батыўына ҳәм қырылып, жер бетинен жоқ болып кетиўине алып келди.
1. Сол ўақытлары Яробамның улы Абия наўқасланып қалды.
2. Сонда Яробам ҳаялына былай деди: «Барып, мениң ҳаялым екениңди билмеўи ушын, кийимлериңди өзгертип ал да, Шилоға бар. Мениң усы халықтың патшасы болатуғыным туўралы алдын ала айтқан пайғамбар Ахия сол жерде жасайды.
3. Он шөрек, бир неше қытырлақ нан ҳәм бир гүзе пал алып, оған апар. Улымызға не болатуғынын ол саған айтады».
4. Ҳаялы Яробамның айтқанындай ислеп, Шилоға, Ахияның үйине кетти. Ахия қартайғанлықтан, көзи көрмейтуғын болып қалған еди.
5. Жаратқан Ийе Ахияға: «Мине, Яробамның ҳаялы киятыр. Ол кеселге шалынған улына не болатуғынын сеннен сорамақшы. Сен оған мынадай-мынадай деп айт. Ол өзин басқа ҳаял етип көрсетиў ушын сыртқы көринисин өзгертип алған», – деди.
6. Ахия қапыдан кирип киятырған ҳаялдың аяқ сестин еситкенде былай деди: «Яробамның ҳаялы, ишке кир! Неге сыртқы көринисиңди өзгертип, басқаша кийинип алдың? Саған жаман хабарларым бар.
7. Яробамға барып, былай деп айт: „Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сени халқым арасынан таңлап алып, Өз халқыма, израиллыларға ҳүкимдар етип қойдым.
8. Патшалықты Даўыттың урпағынан тартып алып, саған бердим. Бирақ сен қулым Даўытқа уқсамадың. Ол буйрықларыма бойсынды ҳәм Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, шын жүректен Мениң изимнен жүрди.
9. Сен өзиңнен алдын жасағанлардың ҳәммесинен де бетер жаманырақ жаманлықлар иследиң. Өзиңе басқа қудайлардың, яғный тана мүсинлерин соғып алып, Мениң ғәзебимди келтирдиң. Сен Меннен жүз бурдың.
10. Сол себепли Мен сениң хожалығыңды апатшылыққа ушыратып, Израилда сениң урпағыңнан болған пүткил еркек затын: қул болса да, азат адам болса да, ҳәммесин тезектиң түйирин де қалдырмай өртегендей етип өртеп, күлин көкке суўыраман.
11. Сениң хожалығыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады“. Жаратқан Ийе мине усылай деди.
12. Сен енди үйиңе қайт. Қалаға аяғыңды басыўдан-ақ улың өледи.
13. Пүткил Израил халқы жоқлаў айтып, оны жерлейди. Яробамның хожалығынан жалғыз ол ғана жерленеди. Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Яробамның урпағынан жалғыз онда ғана Өзине унаған бир нәрселерди тапты.
14. Енди Жаратқан Ийе Өзи ушын Израилға бир патша қояды. Бул патша сол күни-ақ, аўа, ҳәзир-ақ Яробамның урпағын қырып таслайды.
15. Жаратқан Ийе Израил халқын жазалайды ҳәм ол суўда тербелип турған қамысқа уқсап қалады. Жаратқан Ийе оларды ата- бабаларына берген бул жақсы жерлерден қуўып шығырып, Евфрат дәрьясының арғы тәрепине шашыратып жибереди. Өйткени олар өзлерине кийели ағашларын ислеп алып, Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.
16. Яробамның ислеген ҳәм Израилға ислеткен гүналары себепли Жаратқан Ийе Израилды тәрк етеди».
17. Яробамның ҳаялы ол жерден шығып, Тирсаға келди. Ол үйине аяқ басар-баспастан, бала қайтыс болды.
18. Пүткил израиллылар оны жерлеп, ол ушын аза тутты. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы пайғамбар Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.
19. Яробамның басқа ислери, яғный, қалай урысқанлары ҳәм елди қалай басқарғаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған
20. Яробам жигирма еки жыл патшалық етти. Ол өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, оның орнына улы Надаб патша болды.
21. Сулайманның улы Рехабам Яҳудаға патша болғанда қырық бир жаста еди. Жаратқан Ийениң Өз атын орнатыў ушын пүткил Израил урыўлары жасап атырған қалалар ишинен таңлап алған қаласы Ерусалимде ол он жети жыл патшалық етти. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
22. Яҳудалылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Олар ата-бабалары ислеген гүналардан да үлкенирек гүналар ислеп, Жаратқан Ийениң қызғанышлы ғәзебин оятты.
23. Олар да арқа патшалық сыяқлы, өзлери ушын ҳәр бир бийикликке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына сыйыныў орынларын ислеп, кийели таслар ҳәм кийели ағашларын орнатты.
24. Ҳәтте, үлкедеги сыйыныў орынларында бузықшылық иси менен шуғылланатуғын еркеклер де болды. Яҳудалылар Жаратқан Ийениң бурын Израил халқының алдынан қуўған халықлары ислеген барлық жеркенишли ислерди иследи.
25. Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады.
26. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алып кетти.
27. Соңынан патша Рехабам булардың орнына қоладан қалқанлар ислетти ҳәм оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди.
28. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ҳәр барғанда, сақшылар бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
29. Рехабамның басқа ислери ҳәм ол ислеген ҳәр бир нәрсе Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
30. Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди.
31. Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Рехабамның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. Рехабамның орнына улы Абиям патша болды.
1. Израил патшасы Набат улы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абиям Яҳудаға патша болды.
2. Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абиямның анасы Абшаломның қызы Мааха еди.
3. Абиям да әкесиниң бурын ислеген барлық гүналарын даўам етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге жүрегин толық бағышлаған бабасы Даўытқа уқсамады.
4. Солай болса да, Қудайы Жаратқан Ийе Даўыттың ҳүрмети ушын оған Ерусалимде бир шырақ жағып берди: өзинен кейин улын оның орнына отырғызды ҳәм Ерусалимди беккемледи.
5. Себеби хетт халқынан болған Урияға ислеген исинен басқа, Даўыт Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи ҳәм пүткил өмири бойы Оның буйрықларының ҳеш бирин орынлаўдан бас тартпады.
6. Рехабам менен Яробам арасындағы саўаш Абиямның өмириниң ақырына шекем даўам етти.
7. Абиямның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Абиям менен Яробам арасында саўаш үзликсиз даўам еткен еди.
8. Абиям өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды.
9. Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирмаланшы жылында Аса Яҳудаға патша болды.
10. Ол Ерусалимде қырық бир жыл патшалық етти. Оның кемпир апасы Абшаломның қызы Мааха еди.
11. Аса бабасы Даўыт сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи.
12. Ол сыйыныў орынларындағы бузықшылық пенен шуғылланатуғын еркеклерди қуўып жиберди ҳәм ата-бабалары ислеген барлық бутларды алып таслады.
13. Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, Кидрон сайында жағып жиберди.
14. Ол тек сыйыныў орынларын жоқ қылмады, бирақ өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
15. Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келди.
16. Яҳуда патшасы Аса ҳәм Израил патшасы Бааша өмирлериниң ақырына шекем урысып өтти.
17. Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шығып, Яҳуда патшасы Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Раманың бекинисин күшейтти.
18. Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы қалған барлық гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасына, Хезйонның ақлығы Табриммонның улы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
19. «Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге саўғаға гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
20. Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Бейт-Мааха қалаларын, пүткил Нафталий жери менен бирге пүткил Киннеретти басып алды.
21. Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, Тирсаға қайтып келди.
22. Патша Аса бирде бир адамды қалдырмай, пүткил яҳудалыларды шақырды. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Бенямин жериндеги Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
23. Асаның басқа барлық ислери, барлық қаҳарманлықлары, барлық ислеген ислери ҳәм ол қурдырған барлық қалалар Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Ол қартайғанда аяқ аўырыўына шалынды.
24. Аса өлип, ата-бабаларына қосылғанда, бабасы Даўыттың қаласына, ата- бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳошафат патша болды.
25. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының екинши жылында Яробамның улы Надаб Израилға патша болды ҳәм Израилда еки жыл патшалық етти.
26. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер ислеп, әкесиниң жолы ҳәм Израилға ислеткен гүналары изинен кетти.
27. Надаб ҳәм пүткил израиллылар филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып атырғанда, Иссахар урыўынан шыққан Ахия улы Бааша тил бириктирип, Надабты Гиббетонда өлтирди.
28. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Бааша Надабты өлтирип, оның орнына патша болды.
29. Ол тахтқа отырыўдан-ақ, Яробамның урпағын толығы менен қырып таслады. Яробамның хожалығы пүткиллей жоқ етилип, бирде бир тири жан қалмады. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы шилолы Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.
30. Булардың ҳәммеси Яробамның өзи гүна ислеп, Израил халқына да гүна ислетип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени себепли жүз берди.
31. Надабтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
32. Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына дейин даўам етти.
33. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Ахия улы Бааша пүткил Израилға патша болды ҳәм Тирсада жигирма төрт жыл патшалық етти.
34. Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер иследи. Ол Яробамның жолын қуўып, оған уқсап гүнаға батты, Израилды да гүнаға батырды.
1. Жаратқан Ийеден Хананийдиң улы Еҳуға Израил патшасы Бааша ҳаққында мынадай сөз түсти:
2. «Сени Мен топырақтан шығарып алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. Бирақ сен Яробамның жолынан жүрдиң ҳәм халқым Израилды гүнаға баслап, олардың гүнасы арқалы Мениң ғәзебимди келтирдиң.
3. Сонлықтан Набат улы Яробамның урпағына уқсатып, сениң ҳәм сениң урпағыңның күлин көкке суўыраман.
4. Сениң урпағыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
5. Баашаның басқа ислери, ол ислеген ҳәр бир нәрсе, оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
6. Бааша өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Тирсаға жерленди ҳәм оның орнына улы Эла патша болды.
7. Баашаға ҳәм оның урпағына қарсы айтылған Жаратқан Ийениң усы хабары Хананий улы пайғамбар Еҳу арқалы айтылған еди. Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Яробамның хожалығына еликлеп ғана қоймай, өз гүналары менен Оның ғәзебин оятқаны ҳәм Яробамның пүткил әўладларын қырып таслағаны ушын усылар жүзеге келди.
8. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма алтыншы жылында Бааша улы Эла Тирсада Израилға патша болды ҳәм ол еки жыл патшалық етти.
9. Саўаш арбаларының ярымына басшылық ететуғын Зимрий деген бир хызметшиси Элаға қарсы тил бириктирди. Бир күни Эла Тирсада сарай басқарыўшысы Арсаның үйинде ишип, мәс болып қалды.
10. Сонда Зимрий ишке кирип, Эланы өлтирди ҳәм оның орнына тахтқа отырды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында болды.
11. Зимрий патша болып тахтқа отырыўдан-ақ, Баашаның урпағын толығы менен қырып таслады. Оның досларынан да, туўысқанларынан да бирде бир ер адамды тири қалдырмады.
12. Жаратқан Ийениң пайғамбар Еҳу арқалы Баашаның хожалығына қарсы айтқан сөзлери бойынша, Зимрий Баашаның урпағын пүткиллей қырып таслады
13. Бул ўақыя Бааша ҳәм оның улы Эланың гүналары көп болып, Израил халқын гүнаға батырғаны, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын жүз берген еди.
14. Эланың басқа ислери, ол ислеген ҳәмме нәрсе Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
15. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында Зимрий Тирсада тек жети күн-ақ патшалық етти. Сол ўақытлары Израил әскерлери филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып, ордада жатырған еди.
16. Ордадағы израиллылар Зимрийдиң тил бириктирип, патшаны өлтиргенин еситти ҳәм сол күни-ақ олар сәркәрда Омрийди Израилға патша етип жәриялады.
17. Омрий ҳәм оның қасындағы пүткил израиллылар Гиббетоннан келип, Тирсаны қамал қылды.
18. Зимрий қаланың қолдан кеткенин көргенде, патша сарайының қорғанына кирип, сол жерге от берди ҳәм өзи де оттың ишинде өлип кетти.
19. Бул оның Яробамның гүналы жолынан жүрип, Израилды гүнаға баслағаны ҳәм Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислегени себепли болды.
20. Зимрийдиң басқа ислери, оның патшаға ислеген қастыянлығы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
21. Буннан соң, Израил халқы екиге бөлинди. Олардың ярымы Гинат улы Тибнийдиң, ал ярымы Омрийдиң патша болыўын қәледи.
22. Ақырында, Омрийге ерген халық Гинат улы Тибнийге ерген халықтан үстин келди. Тибний өлип, Омрий патша болды.
23. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз биринши жылында Омрий Израилға патша болды. Ол ҳәммеси болып он еки жыл патшалық етип, соның дәслепки алты жылында Тирсада патшалық етти.
24. Омрий Шемер деген адамнан Самария төбешигин еки талант гүмиске сатып алып, оның үстине қала қурды. Қаланы төбешиктиң бурынғы ийеси Шемердиң аты менен Самария деп атады.
25. Омрий де Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, өзинен алдынғы барлық патшалардан да жаманырақ жаўызлықларды иследи.
26. Ол толық Набат улы Яробамның жолынан жүрди ҳәм оның Израилды баслаған гүналарына қосылып, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.
27. Омрийдиң басқа ислери ҳәм оның көрсеткен ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 28Омрий өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.
28. Омрий өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.
29. Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз сегизинши жылында Омрий улы Ахаб Израилға патша болды ҳәм Самарияда жигирма еки жыл патшалық етти.
30. Омрий улы Ахаб Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Оның бул ислери өзинен бурын болған патшалардың ҳәммесиникинен де асып түсти
31. Оған Набат улы Яробамның гүналарына шерик болыў аз болғандай, Сидон патшасы Этбаалдың қызы Изабелге үйленди ҳәм Баалға хызмет етип, оған табына баслады.
32. Ол Самарияда Баалға арнап қурдырған бутханасының ишине Баал ушын қурбанлық орын да қурды.
33. Буның үстине, ол кийели ағашын да ислетти. Ахаб өзинен бурын өткен Израил патшаларының барлығынан да артығырақ гүна ислеп, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қатты ғәзебин келтирди.
34. Ахаб патшалық еткен дәўирде, бейт-элли Хиел Ерихо қаласын қайта қурды. Жаратқан Ийениң Нун улы Ешуа арқалы алдын ала айтқанындай, Хиел қаланың тийкарын салғанда, өзиниң туңғыш улы Абирамнан, ал қаланың дәрўазасын қойғанда, генже улы Сегубтан айырылды.
1. Гиладтың Тишбе қаласынан болған Илияс Ахабқа: «Мен хызмет ететуғын Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен айтпағанымша, келеси жыллары жаўын да жаўмайды, шық та түспейди», – деди.
2. Сол ўақытта Жаратқан Ийеден Илиясқа мынадай сөз түсти:
3. «Бул жерден кетип, шығыс тәрепке қарай жүр ҳәм Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына жасырын.
4. Сен сол сайдан суў ишесең, сол жерде сени бағыўды ғарғаларға буйырдым».
5. Илияс Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына барды ҳәм сол жерде қалды.
6. Ғарғалар ҳәр күни азанда ҳәм кеште оған нан менен гөш әкелип турды, ол суўды сайдан ишти.
7. Бирақ бир қанша ўақыт өткеннен кейин, жерге жаўын жаўмағанлықтан, сай да қурып қалды.
8. Сол ўақытта Илиясқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
9. «Енди Сидонға жақын жердеги Сарафат қаласына барып, сол жерде қал. Сол жерде жасайтуғын бир жесир ҳаялға сени бағыўды буйырдым»
10. Илияс Сарафатқа кетти. Ол қала дәрўазасына жақынлағанда, сол жерде отын жыйнап жүрген бир жесир ҳаялға көзи түсти. Ол ҳаялға: – Маған ишиў ушын бир сарқум суў бересең бе? – деди.
11. Ҳаял суў әкелиў ушын кетип баратырғанда, Илияс оның изинен: – Илтимас, маған шаппаттай нан да ала кел, – деп бақырды.
12. Ҳаял оған: – Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: жейтуғын ҳеш нәрсем жоқ. Тек ыдыстағы бир уўыс ун менен гүзеде азғантай май ғана бар. Мине, еки қысым отын теремен де, барып сол уннан улым менен өзиме бир нәрсе писиремен. Усы соңғы асымызды жеп болып, өлип кетемиз, – деди.
13. Илияс ҳаялға былай деди: – Қорқпа, барып айтқаныңды писир. Бирақ дәслеп бир кишкене шөрек жаўып, маған әкелип бер. Ал өзиң ҳәм улың ушын кейин жабасаң.
14. Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Жаратқан Ийе жерге жаўын жибергенше, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмайды».
15. Ҳаял барып, Илиястың айтқанларын иследи. Ҳаял, оның хожалығы ҳәм Илияс узақ ўақыт азық-аўқаттан тарықпады.
16. Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмады.
17. Арадан бираз ўақыт өткеннен соң, үй ийеси болған жесир ҳаялдың баласы наўқасланып қалды. Оның наўқасы жүдә аўыр болып, ақырында деми таўысылды.
18. Сонда ҳаял Илиясқа: – Ҳәй, Қудайдың адамы, мен сизге не қылып едим? Сиз маған гүналарымды еслетиў ҳәм улымды өлтириў ушын келип пе едиңиз? – деди.
19. Илияс ҳаялға: – Балаңды маған бер, – деди де, баланы ҳаялдың қолынан алып, оны өзи жасайтуғын жоқарғы бөлмеге алып шықты ҳәм өз төсегине жатқарды.
20. Соңынан Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди: «Қудайым Жаратқан Ийе, неге Сен үйинен маған пана берген жесир ҳаялдың баласын өлтирип, оған жаманлық иследиң?»
21. Кейин Илияс үш рет баланың үстине өзин таслап, Жаратқан Ийеге: «Қудайым Жаратқан Ийе, бул балаға қайтадан жан бере гөр», – деп жалбарынды.
22. Жаратқан Ийе Илиястың жалбарыныўларын еситти. Баланың жаны өзине қайтып, ол тирилди.
23. Илияс баланы жоқарғы бөлмеден алып түсип, анасына берип атырып: – Қара, балаң тири, – деди.
24. Сонда ҳаял Илиясқа: – Енди билдим, сиз Қудайдың адамысыз ҳәм сиз арқалы айтқан Жаратқан Ийениң сөзи ҳақ, – деди.
1. Арадан көп ўақытлар өткеннен соң, қурғақшылықтың үшинши жылында Жаратқан Ийеден Илиясқа: «Патша Ахабтың алдына барып, өзиңди көрсет. Мен жерге жаўын жаўдыражақпан», – деген сөз түсти.
2. Илияс Ахабтың алдына барыў ушын кетти. Сол ўақытта Самарияда күшли ашаршылық ҳүким сүрип турған еди.
3. Сонлықтан Ахаб сарай басқарыўшысы Обадияны шақырды. Обадия Жаратқан Ийеден қатты қорқатуғын еди.
4. Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслаған ўақытта, Обадия жүз пайғамбарды алып кетип, елиў-елиўден үңгирлерге жасырды да, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турған еди.
5. Ахаб Обадияға: «Үлке бойлап, барлық булақлар менен сайларды көрип шық. Бәлким, ат ҳәм ғашырларымызды бағыў ушын бир жерден от табылып, оларды аман сақлап қалармыз», – деди.
6. Олар айланып шығыў ушын, жерди бөлисип алғаннан соң, екеўи еки жаққа қарай жолға түсти.
7. Обадия кетип баратырып, жолда өзине қарай киятырған Илиясты көрди. Ол Илиясты танып, ет-бетинен жығылып, тәжим етип: – Мырзам Илияс, бул сизбисиз? – деди.
8. Илияс оған: – Аўа, бул мен. Мырзаңа барып: «Илияс усы жерде», – деп айт, – деди.
9. Бирақ Обадия Илиясқа былай деди: – Қулың болған мени өлтириў ушын Ахабтың қолына тапсыратуғындай, мен не гүна иследим?
10. Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: тақсырым сизди излеў ушын адам жибермеген бирде бир халық яки патшалық қалмады. Ол: «Илияс бул жерде жоқ», – деген ҳәр бир халық ҳәм патшалықларға сизди таба алмағаны ҳаққында ант иштирди.
11. Ал сиз болсаңыз, енди маған өзиңиздиң усы жерде екенлигиңизди мырзаңа айт деп атырсыз.
12. Мен сизиң жаныңыздан кетиўден-ақ, Жаратқан Ийениң Руўхы сизди мен билмейтуғын бир жерге алып барады. Мен барып, Ахабқа хабар бергенимде, ол келип, сизди таппай қалса, мени өлтиреди. Ал қулыңыз болған мен балалығымнан Жаратқан Ийеден қорқып жасап келдим.
13. Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслап атырғанда, мениң не ислегенимнен, мырзам, сизиң хабарыңыз жоқ па? Мен Жаратқан Ийениң жүз пайғамбарын елиў-елиўден үңгирлерге жасырдым, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турдым.
14. Енди сиз болсаңыз маған: «Мырзаңа барып: „Мине, Илияс усы жерде“, – деп айт», – дейсиз. Ол мени өлтиреди-ғо.
15. Илияс Обадияға: – Мен дәргайында турған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы ант ишемен: мен бүгин сөзсиз оған ушырасаман, – деди.
16. Обадия Ахабқа барып, оны ўақыядан хабардар етти. Сонда Ахаб Илиясты қарсы алыўға кетти.
17. Ахаб Илиясты көргенде: – Ҳәй, Израилды бәлеге дуўшар еткен адам, бул сенбисең?! – деди.
18. Илияс оған былай деди: – Израилды бәлеге дуўшар еткен мен емес, ал Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, Баалдың мүсинлерине хызмет етип, Израилды бәлеге дуўшар еткен сиз ҳәм сизиң үй-ишиңиз болады.
19. Енди барып, хабар жибериң: пүткил Израил халқы, Изабелдиң дастурханынан ишип- жейтуғын Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары ҳәм Ашераның төрт жүз пайғамбары Кармел таўына, мениң жаныма жыйналсын.
20. Ахаб хабар жиберип, пүткил Израил халқын ҳәм пайғамбарларды Кармел таўына жыйнады.
21. Илияс халықтың алдына шығып: «Қашанға дейин, еки кемениң басын услап жүресиз? Егер Жаратқан Ийени Қудай деп билсеңиз, Оның изине ериң. Ал егер Баалды Қудай деп билсеңиз, онда оның изине ериң», – деди. Бирақ халық Илиясқа ҳеш қандай жуўап бермеди.
22. Илияс сөзин даўам етип былай деди: «Жаратқан Ийениң пайғамбарларынан жалғыз мен қалдым. Ал Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары бар.
23. Бизлерге еки буға алып келиң. Биреўин Баалдың пайғамбарлары таңлап алып, сойсын ҳәм оны майдалап отынның үстине қойсын. Бирақ отынды жақпасын. Ал екинши буғаны мен сойып таярлап, отынның үстине қояман. Бирақ отынды жақпайман.
24. Кейин сизлер өз қудайыңыздың атын айтып шақырың, мен де Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман. Сонда кимниң Қудайы от арқалы жуўап берсе, сол – Қудай болады». Пүткил халық: «Яқшы, солай болсын», – деп жуўап берди.
25. Илияс Баалдың пайғамбарларына: «Сизлер көпсиз. Сонлықтан дәслеп сизлер буғаның биреўин таңлап алып, таярлаңлар ҳәм қудайыңыздың атын айтып шақырыңлар. Бирақ отынды жақпаңлар», – деди.
26. Олар өзлерине берилген буғаны алып, таярлағаннан соң, азаннан түске шекем: «Ҳәй Баал, бизлерге жуўап бер», – деп Баалдың атын айтып шақырды. Бирақ ҳеш бир даўыс та, жуўап та болмады. Сонда олар өзлери қурған қурбанлық орын әтирапында секире баслады.
27. Түс болғанда, Илияс: «Қатты бақырып, шақырың! Өйткени ол қудай-ғо. Бәлким, ол ойға шүмип кеткен, ямаса бир нәрсе менен бәнт шығар, яки сапарда шығар. Бәлким, уйықлап атырған болып, оны оятыў керек шығар», – деп олардың үстинен күле баслады.
28. Олар қатты бақырды. Дәстүрлери бойынша, өзлерине пышақ ҳәм найза суғып, қан ағызып, денелерин жарақатлады.
29. Олар түс аўғаннан баслап, кешки қурбанлық берилетуғын ўақытқа шекем жинлиленип бақыра берди. Бирақ саза да, белги де, жуўап та болмады.
30. Сонда Илияс пүткил халыққа: «Мениң жаныма келиңлер», – деди. Пүткил халық Илиястың жанына келди. Ол Жаратқан Ийениң бузылған қурбанлық орнын қайта тикледи.
31. Илияс Яқыптың улларынан келип шыққан урыўлардың саны бойынша он еки тас алды. Себеби Жаратқан Ийеден Яқыпқа: «Сениң атың Израил болады», – деген сөз түскен еди.
32. Илияс бул таслардан Жаратқан Ийениң атына арнап қурбанлық орын қурды ҳәм оның дөгерегине еки сеа дән сыятуғын ор қазды.
33. Соңынан отынларды қалады ҳәм буғаны бөлеклеп, отынның үстине қойды да: «Төрт гүзе суў әкелип, жандырылатуғын қурбанлық пенен отынның үстине қуйыңлар», – деди.
34. Кейин ол: «Және солай ислеңлер», – деди. Олар солай иследи. Кейин және: «Үшинши рет те солай ислеңлер», – деди. Олар үшинши рет те солай иследи.
35. Суў қурбанлық орынның дөгерегине ағып, ор да суўға толды.
36. Кеште, қурбанлық берилетуғын ўақытта, Илияс пайғамбар қурбанлық орынға жақынлап, былай деп дуўа етти: «Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Бүгин Израилда Өзиңниң Қудай екениңди, мениң де Сениң қулың екенимди ҳәм булардың ҳәммесин Сениң буйрықларың бойынша ислегенимди билдире гөр!
37. Жаратқан Ийе, мени еситип, маған жуўап бер. Бул халыққа Өзиңниң Қудай екениңди ҳәм олардың жүреклерин қайтадан Өзиңе қаратып атырғаныңды билдире гөр!»
38. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң оты түсти. Түскен от жандырылатуғын қурбанлықты, отынды, тасларды ҳәм топырақты жандырып жиберип, ордағы суўды да жалмап кетти.
39. Пүткил халық буны көргенде, ет-бетинен жерге жығылып: «Жаратқан Ийе – Қудай, Жаратқан Ийе – Қудай!» – деп бақырысты.
40. Сонда Илияс оларға: «Баалдың пайғамбарларын услап алыңлар, ҳеш бири қашып кетпесин!», – деп буйырды. Олар услап алынды. Илияс оларды Кишон сайына алып барып, сол жерде өлтирди.
41. Буннан кейин, Илияс патша Ахабқа: «Барып, ишип-жең. Себеби күшли жаўынның даўысы еситилип тур», – деди.
42. Ахаб аўқатланыўға кетти. Илияс Кармел таўының төбесине шықты ҳәм басын еки дизесиниң арасына тығып, жерге қарап отырды.
43. Кейин хызметшисине: «Барып, теңиз тәрепке қара», – деди. Хызметшиси барып, теңизге қарады да: «Ҳеш нәрсе жоқ», – деди. Илияс хызметшисин жети рет теңиз тәрепке қарап келиў ушын жиберди.
44. Жетинши ретте хызметшиси: «Теңизден үлкенлиги адамның алақанындай бир булт көтерилип киятыр», – деди. Сонда Илияс: «Ахабқа барып айт, арбасын жегип тез қайтсын, жаўында қалып қоймасын», – деди.
45. Сол ўақытта, аспанды қалың булт қаплап, самал ести ҳәм нөсер жаўын жаўа баслады. Ахаб арбасына минди де, Изреелге кетти.
46. Жаратқан Ийениң қолы Илиястың үстинде болды. Ол белин беккем буўды да, Ахабтың алдына түсип, Изреелге шекем жуўырып барды.
1. Патша Ахаб Илиястың ислеген ҳәмме ислерин, барлық пайғамбарларды қалай қылыштан өткергенин ханбийке Изабелге айтып берди.
2. Сонда Изабел Илиясқа: «Ертең анық усындай ўақытқа шекем сениң пайғамбарларға ислегениңди өзиңе ислемесем, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деп хабар жиберди.
3. Илияс буны еситкенде қорқып, жан сақлаў ушын Яҳудадағы Беер-Шеба қаласына қашып барып, хызметшисин сол жерде қалдырды.
4. Ал өзи болса, шөлде бир күн жол жүрди. Ақырында, бир теректиң астына келип отырды да, өзине өлим сорап: «Жаратқан Ийем, жетер енди! Жанымды ал, мениң ата-бабаларымнан артық жерим жоқ», – деп дуўа етти
5. Соңынан теректиң шақалары астына жатып, уйқыға кетти. Тосаттан бир периште оны түртип: «Турып, жеп ал», – деди.
6. Илияс турып қараса, бас бетинде тасқа қойып писирилген ыссы шөрек пенен бир гүзе суў турған екен. Ол ишип-жеп болып, және уйқыға кетти.
7. Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет қайтып келди де, оны түртип: «Турып, жеп ал, алдыңда узақ жол турыпты», – деди.
8. Илияс турып, ишип-жеди. Сол аўқаттан күш алған Илияс Қудайдың таўы болған Хореб таўына шекем қырық күн, қырық түн жол жүрди
9. Ол сол жердеги бир үңгирге кирип түнеди. Мине, Жаратқан Ийеден Илиясқа сөз түсти. Ол Илиясқа: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады.
10. Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
11. Жаратқан Ийе Илиясқа: – Таўға шығып, көз алдымда тур. Мен сениң жаныңнан өтемен, – деди. Жаратқан Ийениң алдында таўларды жарып, жартасларды майдалаған қатты ҳәм күшли самал ести. Бирақ Жаратқан Ийе самал ишинде емес еди. Самалдан кейин жер силкинди, бирақ Жаратқан Ийе жер силкиниў ишинде де емес еди.
12. Жер силкиниўден кейин, от түсти, бирақ Жаратқан Ийе оттың да ишинде емес еди. Оттан кейин өлпең даўыс еситилди.
13. Илияс бул даўысты еситкенде, бетин шапаны менен жаўып алды да, сыртқа шығып, үңгирдиң аўзында турды. Сол ўақытта бир даўыс: – Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады.
14. Илияс Оған: – Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
15. Сонда Жаратқан Ийе Илиясқа: – Келген жолың менен изиңе қайтып, шөл арқалы Дамаскке бар. Ол жерге барғаныңда, Хазаелди майлап, Арамға патша етип қой,
16. Нимший улы Еҳуды майлап, Израилға патша етип, ал абел-мехолалы Шафат улы Элишаны майлап, өзиңниң орныңа пайғамбар етип қой.
17. Хазаелдиң қылышынан қашып қутылғанды Еҳу, Еҳудың қылышынан қашып қутылғанды Элиша өлтиреди.
18. Деген менен, Израилда Баалға тәжим етип, оны сүймеген жети мың адамды тири қалдыраман.
19. Солай етип, Илияс сол жерден кетип, Шафат улы Элишаны таўып алды. Ол он еки жуп өгиз бенен жер айдап атырғанлардың он екиншиси болып жер айдап атыр екен. Илияс Элишаның жанына жақынлап, шапанын оның үстине атып жиберди.
20. Элиша өгизлерди қалдырып, Илиястың изинен жуўырды ҳәм оған: – Ата-анамды сүйип қайтыўыма рухсат берсеңиз, соңынан изиңизден жетип аламан, – деди. – Илияс Элишаға: – Яқшы, кете бер, бирақ саған не қылғанымды умытпа, – деди.
21. Солай етип, Элиша изине қайтып барып, бир жуп өгизин сойды. Олардың мойынтырықларын отын етип жағып, гөшин писирди ҳәм адамларға тарқатты. Адамлар да жеди. Кейин Элиша Илиястың изинен кетти ҳәм оған хызмет ете баслады.
1. Арам патшасы Бен-Ҳадад пүткил әскерлерин жыйнады. Бен- Ҳададқа қараслы отыз еки патша да атлары ҳәм саўаш арбалары менен оған қосылды. Олар барды да, Самарияны қоршап алып, қалаға ҳүжим етти.
2. Бен-Ҳадад қалаға, Израил патшасы Ахабқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бен-Ҳадад былай дейди:
3. „Сениң гүмис ҳәм алтыныңның, ҳаялларың ҳәм улларыңның ең жақсылары меники болады“».
4. Израил патшасы оған: «Тақсыр, сизиң айтқаныңыздай болсын. Өзим де, мендеги ҳәмме нәрсе де сизики», – деп жуўап берди.
5. Бен-Ҳададтың елшилери және қайтып келип, Ахабқа былай деди: «Бен- Ҳадад былай дейди: „Саған гүмис ҳәм алтыныңды, ҳаялларыңды ҳәм улларыңды маған бересең деп хабар жиберген едим.
6. Енди ертең усы ўақытта сениң сарайыңды ҳәм хызметшилериңниң үйин тинтиў ушын адамларымды жиберемен. Олар саған қәдирли болған ҳәмме нәрсени алып кетеди“».
7. Сонда Израил патшасы елдеги барлық ақсақалларды жыйнап, оларға: – Ойлап көриңлер, бул адам қандай жаманлық ойлап қойыпты? Ол меннен ҳаялларымды, улларымды, гүмис ҳәм алтынымды талап еткенде, мен қарсылық билдирмедим, – деди.
8. Сонда ақсақаллар да, халық та патшаға: – Оған қулақ салмаң, ыразы да болмаң, – деди.
9. Солай етип, Ахаб Бен-Ҳададтың елшилерине: «Тақсырға дәслепки тилегин орынлайтуғынымды, бирақ кейингисине ыразы емеслигимди айтып барыңлар», – деди. Елшилер барып, Бен-Ҳададқа жуўапты жеткизди.
10. Сонда Бен-Ҳадад Ахабқа хабаршыларын жиберип: «Самарияда изиме ерген әскерлердиң уўысын толтырғандай топырақ қалдырсам, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.
11. Израил патшасы оған былай деп жуўап берди: «Патшаңызға барып айтың, саўытын кийип атырып емес, ал шешип атырып мақтансын».
12. Шатырда өзине қараслы патшалар менен бирге шарап ишип отырған Бен-Ҳадад буны еситкенде, адамларына: «Ҳүжимге таярланың», – деп буйырды. Олар қалаға ҳүжим қылыўға таяр турды.
13. Сол ўақытта бир пайғамбар Израил патшасы Ахабқа келип былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Мына үлкен әскерлер топарын көрип турсаң ба? Бүгин оны саған тәслим етемен! Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң!»
14. Ахаб пайғамбардан: – Ким арқалы? – деп сорады. Пайғамбар оған: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери арқалы», – деп жуўап берди. Ахаб оннан: – Саўашты ким баслайды? – деп сорады. Пайғамбар Ахабқа: – Сиз баслайсыз, – деп жуўап берди.
15. Ахаб ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлерин шақырып санады. Олар еки жүз отыз еди. Соңынан пүткил халықты, Израил әскерлерин санады. Олар жети мың адам еди.
16. Түсте, Бен-Ҳадад өзине жәрдем берип атырған отыз еки патша менен бирге шатырда ўақты хошлық етип атырған ўақытта, израиллылар ҳүжимди баслады.
17. Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери саўашқа шықты. Бен-Ҳадад жиберген тыңшылар оған: «Самариядан адамлар шығып киятыр», – деп хабарлады.
18. Бен-Ҳадад: «Олар келисим дүзиў ушын киятырған болса да, урысыў ушын киятырған болса да, тирилей услап алыңлар», – деди.
19. Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери, олардың изинен басқа әскерлер қаладан шықты.
20. Олардың ҳәр бири өз қарсыласын өлтирди, арамлылар қаша баслады ҳәм израиллылар олардың изинен қуўып кетти. Арам патшасы Бен-Ҳадад та атына минип, атлылары менен бирге қашып қутылды.
21. Израил патшасы қаладан шығып, атлар менен саўаш арбаларына ҳүжим жасады ҳәм арамлыларды үлкен қырғынға ушыратты.
22. Буннан кейин, пайғамбар келип, Израил патшасына: «Барып, күшиңизди жыйнаң ҳәм не ислейтуғыныңызды билип алың. Себеби келеси жылы бәҳәрде Арам патшасы сизге және ҳүжим қылады», – деди.
23. Арам патшасының хызметкерлери оған былай деди: «Израилдың қудайы – таўлар Қудайы. Сонлықтан олар бизлерди жеңди. Егер олар менен тегисликте урыссақ, бизлер оларды сөзсиз жеңемиз.
24. Енди қол астыңыздағы патшалардың ҳәммесин орынларынан алып таслап, орынларына сәркәрдаларды тайынлаң.
25. Қолдан кеткен ат орнына ат, арба орнына арба топлап, бурынғыдай әскер жыйнаң. Кейин израиллылар менен тегисликте саўаш жүргиземиз ҳәм сөзсиз оларды жеңемиз». Бен-Ҳадад оларға қулақ салып, солай иследи.
26. Келеси жылы бәҳәрде Бен-Ҳадад арамлыларды жыйнап, Израил менен урысыў ушын Афек қаласына кетти.
27. Израиллылар да жыйналып, азық- аўқатын алды да, олар менен урысыў ушын жолға шықты ҳәм олардың қарсысына орда қурды. Үлкени толтырған арамлылардың алдында израиллылар кишкене еки ешки сүриўи сыяқлы еди.
28. Қудайдың адамы Израил патшасының жанына келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлылар Жаратқан Ийе тегисликлердиң емес, ал таўлардың Қудайы дегени ушын, усы үлкен әскерлер топарын саған тәслим етемен. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билесизлер“».
29. Бир-бирине қарсы орда қурған арамлылар менен израиллылар жети күн турды. Жетинши күни саўаш басланды. Бир күнде израиллылар арамлылардың жүз мың пияда әскерин өлтирди.
30. Қалғанлары Афекке, қаланың ишине қашты. Ол жерде қалған жигирма жети мың адамның үстине қаланың дийўалы қулады. Бен-Ҳадад та қаланың ишине қашып барып, ишки бир бөлмеге кирип алды.
31. Сонда хызметшилери Бен-Ҳададқа: «Еситиўимизше, Израил патшалары реҳимли патшалар қусайды. Енди үстимизге аза кийимин кийип, мойнымызға арқан салып, Израил патшасының алдына барайық. Бәлким, ол бир қасық қаныңыздан кешер», – деди.
32. Олар үстине аза кийимин кийип, мойынларына арқан салды ҳәм Израил патшасының алдына келип: «Қулыңыз Бен-Ҳадад бир қасық қанынан кешиўиңизди сорап жалбарынады», – деди. Ахаб: «Бен-Ҳадад еле тири ме? Ол мениң әжағам-ғо», – деди.
33. Бен- Ҳададтың хызметшилери буны жақсылыққа жорып, патшаның аўзындағы сөзди қағып алды да: «Бен-Ҳадад сизиң әжағаңыз!» – деди. Патша: «Барып, оны алып келиңлер», – деп буйырды. Бен-Ҳадад келгенде, патша оны өз саўаш арбасына отырғызды.
34. Бен-Ҳадад Ахабқа: – Әкемниң сизиң әкеңизден тартып алған қалаларын қайтып беремен. Әкемниң Самарияда базарлар қурғаны сыяқлы, сиз де Дамаскте базарлар қурасыз, – деди. Ахаб оған: – Келисим дүзгеннен соң, сени босатып жиберемен, – деди. Соңынан оның менен келисим дүзди де, босатып жиберди.
35. Сол арада пайғамбарлар топарындағылардан бири Жаратқан Ийениң сөзи бойынша жолдасына: – Өтинемен, мени ур, – деди. Бирақ ол жолдасын урыўды қәлемеди.
36. Сонда пайғамбар жолдасына: – Жаратқан Ийениң буйрығын орынламағаның ушын, жанымнан кетиўден-ақ, сени бир арыслан өлтиреди, – деди. Сол адам пайғамбардың қасынан кетиўден-ақ, бир арысланға дус келип, арыслан оны өлтирди.
37. Соңынан пайғамбар басқа бир адамға келип: «Өтинемен, мени ур», – деди. Сол адам оны урып, жарадар етти.
38. Пайғамбар кетти ҳәм өзин танытпаў ушың көзин жапқыш пенен жаўып, жол бойында патшаны күте баслады.
39. Патша сол жерден өтип баратырғанда, пайғамбар бақырып, оған былай деди: – Қулыңыз болған мен урысқа барған едим. Сонда бир әскер арман барды да, бир тутқынды маған әкелип: «Мына адамға қарап тур. Егер қашып кетсе, оның орнына өзиңниң жаның алынады ямаса бир талант гүмис бересең», – деди.
40. Бирақ мен анаў-мынаў менен бәнт болғанымда, ол қашып кетипти. Израил патшасы оған: – Өзиңе өзиң ҳүким шығарып турсаң-ғо. Сениң жазаң сол болады, – деди.
41. Сол ўақытта пайғамбар дәрриў бетиндеги жапқышты алып таслады. Сонда патша оның пайғамбарлардан бири екенин билди.
42. Пайғамбар патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен жоқ қылыўды буйырған адамды өз қолыңнан босатып жибергениң ушын, оның орнына өзиңниң жаның алынады. Ал оның халқының басына түсетуғын нәрсе сениң халқыңның басына түседи“».
43. Израил патшасы қапа болып, тынышсызланған ҳалда Самариядағы сарайына келди.
1. Арадан бираз ўақыт өтип, мынадай ўақыя жүз берди: Изреелде, Самария патшасы Ахабтың сарайының жанында изреелли Наботтың бир жүзим бағы бар еди.
2. Бир күни Ахаб Наботқа: – Жүзим бағыңды маған бер. Ол мениң сарайыма жақын болғаны ушын, оның орнына палыз егинлерин өсирейин. Бағыңның орнына басқа жақсырақ бағ беремен. Егер қәлесең, бағыңның баҳасын гүмис пенен төлеймен, – деди.
3. Бирақ Набот Ахабқа: – Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бериўден мени Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! – деди.
4. Изреелли Наботтың: «Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бермеймен», – деген сөзине қатты ашыўланған Ахаб үйине тунжырайып келди. Ол төсегине кирип, жүзин терис қаратып жатып алды ҳәм дуз татпады.
5. Ҳаялы Изабел оның жанына келип: – Неге руўхыңыз түскен? Неге аўқат жемей атырсыз? – деди.
6. Ахаб ҳаялына: – Мен изреелли Наботқа: «Жүзим бағыңды маған гүмиске сат, егер қәлесең, оның орнына саған басқа бир бағ берейин», – дегенимде, ол маған: «Жүзим бағымды саған бермеймен», – деп жуўап берди, – деди.
7. Ҳаялы Изабел Ахабқа: – Сиз Израилдың патшасына сай ис тутып атырсыз ба? Орныңыздан турып, нан жеп алың да, тынышланың. Изреелли Наботтың бағын сизге өзим алып беремен, – деди.
8. Изабел Ахабтың атынан хат жазып, оны Ахабтың мөри менен тастыйықлады. Соң бул хатты Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклерине жиберди.
9. Хатта былай деп жазылған еди: «Ораза тутыўды жәриялап, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызыңлар.
10. Оның алдына: „Ҳәй Набот, сен Қудайға ҳәм патшаға тил тийгиздиң“, – деп гүўалық беретуғын еки жалахор адамды отырғызыңлар. Соңынан оны сыртқа алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер».
11. Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклери Изабелдиң хат арқалы өзлерине жазған буйрығын орынлады.
12. Олар ораза жәрия етип, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызды.
13. Соңынан еки жарамас адам келип, Наботтың қарсы алдына отырды ҳәм халықтың алдында: «Набот Қудайға ҳәм патшаға тил тийгизди», – деп гүўалық берди. Сонда Наботты қаланың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.
14. Кейин Изабелге: «Набот тас боран қылып өлтирилди», – деп хабар жиберди.
15. Изабел Наботтың тас боран қылып өлтирилгенин еситиўден, дәрриў Ахабқа: «Барып, сизге гүмиске сатқысы келмеген изреелли Наботтың жүзим бағына ийелик етиң. Себеби ол енди жоқ, өлди», – деди.
16. Ахаб изреелли Наботтың өлтирилгенин есите сала, оның бағын мүлик етип алыў ушын сол жерге кетти.
17. Сол ўақытта Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти:
18. «Самариядағы Израил патшасы Ахабты көриўге бар. Ҳәзир ол Наботтың жүзим бағында, оны ийелеп алыў ушын сол жерге келди.
19. Оған мына сөзлерди жеткиз: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен оны өлтирип, мүлкин де ийелеп алдың ба?“ Және былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ийтлер Наботтың қанын жалаған жерде, сениң қаныңды да жалайды“».
20. Ахаб Илиясқа: – Ҳәй, душпаным, мени таўып келдиң бе? – деди. Илияс оған былай деди: – Аўа, таўып келдим. Өйткени сиз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге берилип кеткенсиз.
21. Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Сени апатқа ушыратып, күлиңди көкке суўыраман. Израилда Ахабтың нәсилинен болған пүткил еркек затын: ол қул болса да, азат болса да, ҳәммесин қырып таслайман.
22. Израилды гүнаға баслап, Мениң ғәзебимди келтиргениң ушын, сениң үй-ишиңди Набат улы Яробам ҳәм Ахия улы Баашаның үй-иши сыяқлы қыламан».
23. Және де, Жаратқан Ийе Изабелге былай дейди: «Изабел Изреел қаласының дийўаллары ишинде ийтлерге жем болады.
24. Ахабтың нәсилинен қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
25. Ахабтай болып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге буншелли берилген адам болмады. Ҳаялы Изабел оны ийтермелеп туратуғын еди.
26. Ахаб Жаратқан Ийе Израил халқы алдынан қуўып жиберген аморларға уқсап, бутларға табынып, жүдә жеркенишли ислерди иследи.
27. Ахаб бул сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртып, аза кийимлерин кийди. Ораза тутты, аза кийими менен уйықлады ҳәм қайғырып жүрди.
28. Сонда Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти:
29. «Ахабтың Мениң алдымда қандай бойсыныўшаң болып қалғанын көрдиң бе? Ол Маған бойсынғаны ушын, Өзим айтқан бәлелерди оның ўақтында емес, ал улының ўақтында оның үй-ишиниң басына жаўдыраман».
1. Үш жыл даўамында Арам ҳәм Израил арасында урыс болмады.
2. Үшинши жылы Яҳуда патшасы Еҳошафат Израил патшасын көриўге барды.
3. Израил патшасы Ахаб хызметшилерине: «Гиладтағы Рамоттың бизлерге тийисли екенин билмейсизлер ме? Бизлер болсақ, оны Арам патшасынан қайтарып алыў ушын ҳеш нәрсе қылмадық», – деди.
4. Соңынан Еҳошафаттан: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады. Еҳошафат Израил патшасына: – Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, атларымды атларыңыздай көриң, – деп жуўап берди.
5. Соңынан Еҳошафат: – Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
6. Сонда Израил патшасы төрт жүзге жақын пайғамбарды топлап, оларға: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайын ба ямаса бармайын ба? – деп сорады. Олар: – Барың, Ийемиз қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
7. Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
8. Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
9. Сонда Израил патшасы бир хызметкерди шақырып, оған: «Имла улы Миханы тез алып кел», – деп буйырды.
10. Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди.
11. Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
12. Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
13. Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып: – Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
14. Бирақ Миха оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Жаратқан Ийе маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
15. Миха патшаға келди. Патша Михадан: – Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады. Миха патшаға: – Бара бериңлер, жеңесизлер. Себеби Жаратқан Ийе оны сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
16. Деген менен, патша Михаға: – Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған бир неше мәрте ант ишкизиўим керек пе? – деди.
17. Сонда Миха патшаға былай деди: – Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
18. Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
19. Миха патшаға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим.
20. Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда,
21. бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады.
22. Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди. Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди.
23. Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың ҳәммесиниң аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
24. Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де: – Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
25. Миха оған: – Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
26. Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Иоашқа қайтып алып барың.
27. Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
28. Миха патшаға: «Егер аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди
29. Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты.
30. Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, саўашқа шықты.
31. Арам патшасы өз саўаш арбаларының отыз еки әскербасысына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды.
32. Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде,
33. саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты.
34. Бирақ бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди.
35. Сол күни ғыжлаған саўаш болды. Патша өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалып, арамлыларға қарап турды ҳәм кеште жан тапсырды. Оның саўаш арбасы жараланған жеринен аққан қанға былғанды.
36. Күн бата Израил ордасы ишинде: «Ҳәр ким өз қаласына, өз жерине қайтсын!» – деп жар салынды.
37. Патша өлди. Оны Самарияға әкелип, сол жерде жерледи.
38. Арбаны Самариядағы бузықлар жуўынатуғын ҳаўызға жуўды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ийтлер оның қанын жалады.
39. Ахабтың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның пил сүйегинен қаплаған сарайы ҳәм ол қурдырған барлық қалалар ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
40. Ахаб өлип, ата- бабаларына қосылды. Оның орнына баласы Ахазия патша болды.
41. Израил патшасы Ахабтың патшалығының төртинши жылында Аса улы Еҳошафат Яҳудаға патша болған еди,
42. Еҳошафат отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди.
43. Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
44. Еҳошафат Израил патшасы менен тынышлық келисимин дүзди.
45. Еҳошафаттың басқа ислери, ол ислеген қаҳарманлықлар ҳәм жүргизген саўашлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
46. Еҳошафат әкеси Асаның ўақтынан қалған сыйыныў орынларындағы бузықшылық ислеўши еркеклерди жер бетинен жоқ қылды.
47. Сол ўақытлары Эдомда патша жоқ еди, елди Яҳуда патшасы қойған ҳәким басқаратуғын еди.
48. Еҳошафат Офирден алтын алып келиў ушын, Таршиш саўда кемелерин соқтырды. Бирақ кемелер ол жерге жете алмай, Эсион-Геберде апатқа ушырады.
49. Сонда Ахабтың улы Ахазия Еҳошафатқа: «Мениң адамларым кемеде сизиң адамларыңыз бенен бирге барсын», – деди. Бирақ Еҳошафат буған келисим бермеди.
50. Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иорам патша болды.
51. Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он жетинши жылында Ахаб улы Ахазия Самарияда Израилға патша болды. Ол еки жыл патшалық етти.
52. Ахазия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол ата-анасының ҳәм Израилды гүнаға батырған Набат улы Яробамның жолынан жүрди.
53. Ахазия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол ата-анасының ҳәм Израилды гүнаға батырған Набат улы Яробамның жолынан жүрди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.