Мухаддес Китап

4 Патшалар

1. Израил патшасы Ахабтың өлиминен соң, моаблылар Израилға қарсы бас көтерди.
2. Израил патшасы Ахазия Самариядағы сарайының жоқарғы бөлмесиниң балконынан жығылып, жарақатланды. Сонда ол адамларын жиберип, оларға: «Филистлердиң Экрон қаласындағы қудайы Баал-Зебубқа барып, оннан мениң тәўир болатуғын яки болмайтуғынымды сорап билиңлер», – деди.
3. Бирақ Жаратқан Ийениң периштеси тишбели Илиясқа былай деди: «Барып, Самария патшасы жиберген адамлардың алдынан шығып, оларға былай деп айт: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын баратуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди?
4. Сонлықтан Жаратқан Ийе патшаңызға былай дейди: Жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“». Солай етип, Илияс тапсырманы орынлаў ушын кетти.
5. Адамлар патшаның жанына қайтып келди. Патша олардан: – Неге бунша тез қайтып келдиңлер? – деп сорады.
6. Олар патшаға былай деп жуўап берди: – Бир адам алдымыздан шығып, бизлерге былай деди: «Өзлериңизди жиберген патшаға қайтып барып, оған былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усы исиң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
7. Патша өзи жиберген адамлардан: – Сизлерди қарсы алып, усы сөзлерди айтқан адамның түр-түси қандай еди? – деп сорады.
8. Олар патшаға: – Ол жүннен тоқылған шапан кийип, белине тери қайыс байлаған еди, – деп жуўап берди. Патша: – Бул тишбели Илияс, – деди.
9. Патша бир елиўбасыны елиў әскери менен бирге Илиясты алып келиўге жиберди. Елиўбасы бир төбешиктиң басында отырған Илиястың жанына барып, оған: – Ҳәй, Қудайдың адамы, патша сени төменге түссин, – деп атыр, – деди.
10. Бирақ Илияс елиўбасыға: – Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан от түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
11. Кейин патша басқа бир елиўбасыны елиў әскери менен Илиясқа жиберди. Елиўбасы Илиясқа: – Ҳәй, Қудайдың адамы, патша саған: «Тез төменге түс», – деп атыр, – деди.
12. Илияс оған: – Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан Қудайдың оты түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
13. Патша үшинши рет бир елиўбасыны елиў адамы менен Илиясқа жиберди. Бул елиўбасы төбеге шығып, Илиястың алдында диз шөкти ҳәм жалбарынып былай деди: «Қудайдың адамы, мениң ҳәм мына елиў қулыңның жанына реҳимиңиз келсин.
14. Аспаннан от түсип, меннен алдын келген еки елиўбасыны ҳәм олардың ҳәр бириниң елиў адамын жалмап кеткен еди. Енди мениң жаныма реҳимиңиз келсин».
15. Сонда ЖаратқанИлияс патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».Ийениң периштеси Илиясқа: «Оның менен бирге төменге түс, оннан қорқпа», – деди. Илияс орнынан турып, елиўбасы менен бирге патшаға кетти.
16. Илияс патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
17. Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, Ахазия өлди. Ахазияның улы болмағанлықтан, оның орнына иниси Иорам патша болды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Еҳошафат улы Иорамның патшалығының екинши жылында болды.
18. Ахазия ислеген басқа ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
1. Жаратқан Ийе Илиясты қуйын ишинде аспанға көтерип алып кетпестен алдын, Илияс пенен Элиша Гилгалдан жолға шыққан еди.
2. Сонда Илияс Элишаға: – Өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Бейт-Элге жиберип атыр, – деди. Элиша оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деп жуўап берди. Сөйтип олар бирге Бейт-Элге кетти.
3. Бейт-Элдеги пайғамбарлар топары Элишаның алдынан шығып, оннан: – Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға: – Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди.
4. Бейт-Элдеги пайғамбарлар топары Элишаның алдынан шығып, оннан: – Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға: – Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди..
5. Сонда Ериходағы пайғамбарлар топары Элишаға келип: – Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға: – Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди.
6. Кейин Илияс Элишаға: – Өтинемен, сен усы жерде қал, себеби Жаратқан Ийе мени Иордан дәрьясына жиберип атыр, – деди. Элиша оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деди. Солай етип, екеўи жолын даўам етти.
7. Пайғамбарлар топарынан елиўи келип, узағырақтан оларға қарап турды. Ал олар екеўи Иордан дәрьясының жағасында турды.
8. Илияс шапанын алып, айландырып, суўға урып жибергенде, суў екиге айырылды. Олар екеўи қурғақ жер арқалы арғы жағаға өтти.
9. Дәрьядан өтип болғаннан соң, Илияс Элишадан: – Мени жаныңнан алып кетпестен бурын айт, меннен қандай тилегиң бар? – деп сорады. Сонда Элиша: – Менде сиздеги руўхтың еки есеси болсын, – деди.
10. Илияс оған: – Қыйын нәрсени сорадың. Егер жаныңнан мениң қалай алып кетилгенимди көрсең, онда солай болады. Егер көрмесең, олай болмайды, – деди.
11. Олар жолда сөйлесип кетип баратырғанда, тосаттан отлы арбаға жегилген отлы атлар көринди ҳәм оларды бир-биринен айырды. Илияс қуйын ишинде аспанға көтерилип кетти.
12. Элиша буны көрип: «Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары!» – деп қышқырып қала берди. Элиша Илиясты қайтып көре алмайтуғын болғанлықтан, кийимлерин жыртып, екиге айырды.
13. Соңынан Илиястан түсип қалған шапанды алып, изине қайтты ҳәм Иордан дәрьясының жағасына келип турды.
14. Ол Илиястан түсип қалған шапан менен суўды урып: «Илиястың Қудайы, Жаратқан Ийе қай жердесең?» – деди. Кейин ол суўды қайтадан урғанда, суў қақ айырылып, Элиша сол жерден кесип өтти.
15. Ериходағы пайғамбарлар топары узақтан Элишаны көргенде: «Илиястың руўхы Элишаға түсти», – дести. Олар барып, Элишаны күтип алды ҳәм баслары жерге тийгенше ийилип оған тәжим етти.
16. Кейин олар Элишаға: – Жанымызда елиў күшли адам бар. Рухсат бериң, олар барып, мырзаңызды излеп келсин. Бәлким, Жаратқан Ийениң Руўхы оны көтерип әкетип, қандай да бир таўға ямаса ойпатлыққа апарып таслаған шығар, – деди. Бирақ Элиша оларға: – Яқ, оларды излеўге жибермеңлер, – деди.
17. Деген менен, пайғамбарлар жалынып қоймай, бийзар қылғаннан соң, Элиша излеўге рухсат берди. Пайғамбарлар елиў адамды жиберди. Олар үш күн излеп, Илиясты таба алмады.
18. Кейин Ерихоға, Элишаның қасына қайтып келди. Элиша оларға: «Мен сизлерге оны излемеңлер деген жоқ па едим?» – деди.
19. Ерихолылар Элишаға: – Мырзамыз, өзиңиз көрип турғандай, қаланың турған жери жақсы, бирақ суўы жаман, жери де өнимсиз, – деди.
20. Элиша оларға: – Таза бир кесеге дуз салып, маған алып келиңлер, – деди. Олар солай иследи.
21. Элиша булақ басына барып, дузды суўға таслады да, былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен бул суўды таза қылдым, оннан енди өлим де, өнимсизлик те келип шықпайды“».
22. Элишаның айтқан сөзи бойынша, суў ҳәзирге дейин ишиўге жарамлы.
23. Элиша сол жерден Бейт-Элге кетти. Ол жолда кетип баратырғанда, қаладан кишкене балалар шығып: «Жоқ бол, таз, жоқ бол!» – деп масқаралай баслады.
24. Ол артына қарап, балаларды көрди ҳәм оларды Жаратқан Ийениң аты менен ғарғады. Сонда тоғайдан еки урғашы айыў шығып, қырық еки баланы тилкимлеп таслады.
25. Элиша ол жерден Кармел таўына, Кармел таўынан Самарияға қайтты.
1. Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он сегизинши жылында, Ахаб улы Иорам Самарияда Израилға патша болды ҳәм он еки жыл патшалық етти.
2. Иорам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеўди даўам етсе де, оның ислери өз ата-анасының ислериндей жүдә жаман болмады. Ол әкесиниң Баалға арнап соқтырған кийели тасларын алып таслады.
3. Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарына ерип, олардан ўаз кешпеди.
4. Моаб патшасы Меша шарўашылық пенен шуғылланатуғын еди. Ол Израил патшасына жылына жүз мың қозы ҳәм жүз мың қошқардың жүнин беретуғын еди.
5. Бирақ патша Ахабтың өлиминен соң, Моаб патшасы Израил патшасына қарсы бас көтерди.
6. Сол ўақытта патша Иорам Самариядан шығып, пүткил израиллыларды бир жерге топлады.
7. Ол Яҳуда патшасы Еҳошафатқа: «Моаб патшасы маған қарсы бас көтерди. Моаблыларға қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба?» – деген хабар жиберди. Еҳошафат оған: «Аўа, бараман, мени өзиңиздей, халқымды өз халқыңыздай, атларымды өз атларыңыздай көриң», – деди.
8. Соңынан ол: «Бизлер қайсы жолдан барайық?» – деп сорады. Иорам оған: «Эдом шөли арқалы», – деп жуўап берди.
9. Солай етип, Израил, Яҳуда ҳәм Эдом патшалары бирге жолға шықты. Олар айланба жоллар арқалы жети күн жүргеннен кейин, суўлары таўысылып, әскерлер де, жанындағы ҳайўанлар да суўсыз қалды.
10. Сонда Израил патшасы: – Ўаҳ, Жаратқан Ийе бизлерди, үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге жыйнаған екен-дә! – деп бақырды.
11. Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде Жаратқан Ийениң пайғамбары жоқ па? Ол арқалы Жаратқан Ийениң еркин сорап билер едик, – деди. Сонда Израил патшасының хызметкерлеринен бири: – Бул жерде Шафат улы Элиша бар, ол бурын Илиястың қолына суў қуйған шәкирти болған, – деп жуўап берди.
12. Еҳошафат: – Ол Жаратқан Ийениң не айтажағын биледи, – деди. Солай етип, Израил патшасы, Еҳошафат ҳәм Эдом патшасы Элишаға кетти.
13. Элиша Израил патшасына: – Сен неге маған киятырсаң? Әкең менен анаңның пайғамбарларына бар, – деди. Израил патшасы оған: – Яқ, себеби бул үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге топлаған – Жаратқан Ийе, – деп жуўап берди.
14. Элиша оған: – Өзим хызметинде болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы айтаман: егер Яҳуда патшасы Еҳошафатты ҳүрмет етпегенимде, саған қарамаған да, нәзер де салмаған болар едим.
15. Енди маған лира шертетуғын бир сазендени алып келиң, – деди. Сазенде келип, лира шерткенде, Жаратқан Ийениң күши Элишаның үстине түсти.
16. Сонда Элиша былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бул ойпатлықтың басынан аяғына дейин орлар қазыңлар.
17. Сизлер самал да, жаўын да көрмейсизлер. Бирақ мына ойпатлық суўға толып, өзлериңиз де, малларыңыз ҳәм ҳайўанларыңыз да оннан суў ишесизлер“.
18. Жаратқан Ийе ушын буны ислеў аңсат. Ол моаблыларды да сизлерге тәслим етеди.
19. Сонда сизлер олардың барлық қорғанлы қалаларын ҳәм бас қалаларын қыйратып, олардағы ҳәр бир мийўе ағашын кесип таслайсызлар, барлық булақларының көзлерин бекитип, өнимдар атызларының ҳәммесин таслаққа айландырып, жарамсыз қыласызлар».
20. Ертеңине азанда қурбанлық берилетуғын ўақытта, бирден Эдом тәрептен суў ағып келип, жерди басып кетти.
21. Моаблылар патшалардың өзлери менен урысыў ушын киятырғанын еситкенде, урысқа жарамлы үлкен-кишини топлап, шегараға келип турды.
22. Олар азанда ерте турды. Қуяш көтерилип, суў бетине түскенде, бул суўлар арғы жақтағы моаблыларға қанға уқсап қызарып көринди.
23. Сонда олар: «Мынаў қан-ғо. Патшалар өз ара урысып, бир-бирин қырып таслаған екен. Қәне, моаблылар, олжаға!» – деп бақырысты.
24. Бирақ моаблылар Израил ордасына келгенде, израиллылар моаблыларға ҳүжим жасап, оларды қыра баслады. Сонда моаблылар қаша баслады, ал израиллылар оларды қуўыўын ҳәм қырыўын даўам етти.
25. Олар қалаларды қыйратты, өнимдар атызларға ҳәр бири бир тастан ылақтырып, оларды тасқа толтырды. Суў булақларының көзлерин бекитип, мийўе ағашларын кесип таслады. Тек Кир-Харесеттиң тас дийўаллары ғана өз орнында қалды. Бирақ сақпаншылар қоршап алып, оны да қыйратты,
26. Моаб патшасы өзиниң жеңилип атырғанын көргенде, жанына жети жүз қылышпазын алып, Эдом патшасының әскерлерин жарып өтпекши болды. Бирақ жарып өте алмады.
27. Сонда ол өз тахтының мийрасхоры болған туңғыш улын шалып, дийўал үстинде жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Бул израиллыларда күшли ғәзеп оятты ҳәм олар қаланы тәрк етип, өз еллерине қайтып кетти.
1. Бир күни пайғамбарлар топарынан бириниң ҳаялы дад салып келип, Элишаға: – Қулыңыз болған күйеўим өлди. Сиз оның Жаратқан Ийеден қорқып жасағанын билесиз. Енди болса, бизге қарыз берген адам еки улымды қул қылып алып кетиўге келип тур, – деди.
2. Элиша оған: – Саған қандай жәрдем берсем екен? Айтшы, үйиңде не бар? – деди. Ҳаял: – Шорыңыздың үйинде кишкене бир гүзе зәйтүн майынан басқа ҳеш нәрсе жоқ, – деди.
3. Элиша ҳаялға былай деди: – Барып, ҳәмме қоңсыларыңнан бос ыдысларын сорап ал. Илажы болғанша көп ыдыс жыйна.
4. Кейин улларың менен үйге кир де, қапыны илдирип алып, ыдыслардың ҳәммесине зәйтүн майын қуй. Толған ыдысларды шетке алып қоя бер.
5. Ҳаял Элишаның жанынан кетти. Соңынан ол уллары менен бирге үйге кирип, есикти илдирди. Уллары ыдысларды алып берип турды, ал ҳаял майды қуйып турды.
6. Ҳәмме ыдыслар толғанда, ол улларының бирине: – Және бир ыдыс алып бер, – деди. Улы оған: – Басқа ыдыс қалмады, – деп жуўап берди. Сонда майдың ағыўы да тоқтады.
7. Ҳаял келип, Қудайдың адамына болған ўақыяны айтып берди. Ол ҳаялға: «Барып, майды сат та, қарызыңды төле. Қалғанын улларың менен бирге күн көрисиң ушын пайдалан», – деди.
8. Бир күни Элиша Шунемге келди. Ол жерде жасайтуғын бир абырайлы ҳаял Элишаны үйине мирәт етип, аўқатланыўға көндирди. Соңын ала Элиша Шунемнен ҳәр өткенде, аўқатланыў ушын сол үйге баратуғын болды.
9. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин ҳаял күйеўине: «Бул жерден тез-тез өтип туратуғын сол адамның Қудайдың мухаддес адамы екенин билдим.
10. Кел, үйимиздиң үстине кишкене бир бөлме салып, ишине көрпе-төсек, стол, отырғыш ҳәм шыра қояйық. Ол бизлерге келгенде, сол жерде болады», – деди.
11. Бир күни Элиша келип, жоқарғы бөлмеге шығып жатты.
12. Ол хызметшиси Гехазийге: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды, ҳаял Элишаның алдына келгенде,
13. Элиша Гехазийге былай деди: «Ҳаялға былай деп айт: „Бизлерге көрсетип атырған ғамхорлығыңды саған не менен қайтарайық? Сен ҳаққында патша менен ямаса сәркәрда менен сөйлесейин бе?“» Ҳаял оған: «Яқ, рахмет. Мен өз халқымның арасында кемшиликсиз жасап атырман, ҳәмме нәрсем бар», – деди.
14. Соңынан Элиша Гехазийге: – Онда, бул ҳаял ушын не ислесем екен? – деди. Гехазий: – Оның улы жоқ екен, күйеўи де қартайып қалыпты, – деди.
15. Элиша: – Ҳаялды шақыр, – деди. Гехазий ҳаялды шақырды. Ол келип, қапының аўзында турды.
16. Элиша ҳаялға: – Келеси жылы усы ўақытта баўырыңда бир улың болады, – деди. Ҳаял оған: – Яқ мырзам, Қудайдың адамы, шорыңызды алдамаң, – деди
17. Бирақ Элишаның айтқанындай, ҳаял ҳәмиледар болып, келеси жылы сондай ўақытта бир ул туўды.
18. Бала өсти. Ол бир күни орақшылардың басында болып атырған әкесиниң жанына барды.
19. Сол жерде бала бирден әкесине: «Ўай, басым аўырып тур, ўай басым!» – деп бақыра баслады. Әкеси хызметшисине: «Баланы анасына алып бар», – деди.
20. Хызметши баланы көтерип, анасына алып келди. Бала түске дейин анасының дизесинде отырып, кейин қайтыс болды.
21. Ҳаял жоқарғы бөлмеге шығып, баланы Қудайдың адамының төсегине жатқызды да, есикти жаўып, сыртқа шықты.
22. Ол күйеўин шақырып: – Илтимас, маған бир хызметши менен бир ешек жиберсең. Мен тез Қудайдың адамына барып келемен, – деди.
23. Күйеўи оған: – Не ушын оған бүгин барғың келип қалды? Бүгин Жаңа ай байрамы да, Шаббат күни де емес ғой, – деди. Бирақ ҳаял: – Зыяны жоқ, – деди.
24. Ҳаял ешекти ертлеп, хызметшисине: «Ешекти айда, мен айтпағанымша жүристи пәсейтпе», – деди.
25. Ҳаял кетип, Кармел таўына, Қудайдың адамының жанына жақынлады. Қудайдың адамы ҳаялды узақтан көргенде, хызметшиси Гехазийге: «Қара, шунемли ҳаял киятыр!
26. Тез алдынан шығып оннан: „Қалайсаң, күйеўиң ҳәм балаң қалай?“ – деп сора», – деди. Ҳаял Гехазийге: «Ҳәммеси жақсы», – деп жуўап берди.
27. Ҳаял таўға шығып, Қудайдың адамының жанына келди де, оның аяқларына жабысты. Гехазий ҳаялды шетке шығармақшы болғанда, Қудайдың адамы оған: «Оған тийме, оның кеўли қабарған, ал Жаратқан Ийе буны меннен жасырып, айтпады», – деди.
28. Ҳаял оған: «Мырзам, мен сизден ул сорап па едим? „Мени алдамаңыз“, – деген жоқ па едим?» – деди.
29. Сонда Элиша Гехазийге: «Белиңди буўып, мениң таяғымды қолыңа ал да, жолға шық. Егер биреўди ушыратсаң, сәлем берме, егер биреў саған сәлем берсе, сәлемин алма. Барып, таяғымды баланың бетине қой», – деди.
30. Баланың анасы Элишаға: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизсиз ҳеш жаққа кетпеймен», – деди. Сонлықтан Элиша да ҳаялға ерип жолға шықты.
31. Гехазий олардан алдынырақ барып, таяқты баланың бетине қойды. Бирақ сес те, тирилик белгиси де болмағаннан соң, Гехазий олардың алдынан шығып: «Бала тирилмеди», – деп хабарлады.
32. Үйге киргенде, Элиша өзиниң төсегинде өлген баланың жатырғанын көрди.
33. Ол бөлмеге кирип, есикти жаўды ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти.
34. Кейин ол төсекке шығып, баланың үстине жатты. Аўзын баланың аўзына, көзлерин көзлерине, алақанларын алақанларына қойып, баланың үстине созылып жатқанда, баланың денеси ысый баслады.
35. Ол турып, бөлмениң ишинде ояқтан-буяққа жүрди, соңынан және барып, баланың үстине созылып жатты. Бала жети рет түшкирди де, көзлерин ашты.
36. Элиша Гехазийди шақырып оған: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды. Ҳаял келгенде, Элиша оған: «Улыңды ал», – деди.
37. Ҳаял Элишаның аяқларына жығылып, басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Соңынан улын алып, шығып кетти.
38. Элиша Гилгалға қайтып келди. Ол жерди ашлық жайлаған болып, пайғамбарлар топарындағылар оның алдында отырған еди. Ол хызметшисине: «Үлкен қазанды отқа қойып, пайғамбарлар топарындағыларға сорпа писирип бер», – деди.
39. Сонда олардың бири көк шөп терип келиў ушын атызға кетти ҳәм ийт түйнекти таўып, оның жемисине етегин толтырып келди. Аўқат писирип атырғанлар оның не екенин билмей, майдалап туўрап қазанға салып жиберди.
40. Аўқат ҳәммеге қуйып берилди. Бирақ адамлар аўқатты татып көриўден: «Ҳәй, Қудайдың адамы! Мына аўқат зәҳәр-ғо», – деп бақырыса баслады. Ҳеш ким оны ише алмады.
41. Сонда Элиша: «Ун алып келиңлер», – деди. Ол унды қазанға салды да: «Енди адамларға қуйып бериңлер, ишсин», – деди. Қазанда зыянлы ҳеш нәрсе қалмады.
42. Бир күни Баал-Шалишадан бир адам Қудайдың адамына өзиниң арпасының биринши зүрәәтинен жабылған жигирма нан ҳәм таза жыйналған бийдайдың масақларынан дорбасына салып алып келди. Элиша хызметшисине: – Адамларға үлестирип бер, жесин, – деди.
43. Хызметшиси оған: – Бул жүз адамға не болады? – деди. Элиша оған: – Адамларға үлестирип бер, жесин. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: „Жеп тояды, аўысып та қалады“, – деди.
44. Сонда хызметши оларды адамлардың алдына қойды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олар жеп тойды ҳәм аўысып та қалды.
1. Арам патшасының сәркәрдасы Нааман өз мырзасы ушын уллы ҳәм ҳүрметли адам еди. Себеби Жаратқан Ийе арамлыларға ол арқалы жеңис сыйлаған еди. Нааман мәрт жаўынгер еди, бирақ ол жаман тери кеселлигине жолыққан еди.
2. Бурын арамлылар бир шабыўыл жасағанында, Израилдан бир кишкене қызды тутқын етип алып келген еди. Бул қыз Нааманның ҳаялына хызмет ететуғын еди.
3. Бир күни ол өз бийкесине: «Қәнекей, мырзам Самариядағы пайғамбарға барғанда ма еди, ол оны тери кеселлигинен азат еткен болар еди», – деди.
4. Буны еситкенде, Нааман барып, израиллы қыздың айтқанларын өз мырзасына, патшаға айтып берди.
5. Арам патшасы Нааманға: «Жолға атлан, мен Израил патшасына хат жазып беремен», – деди. Ол он талант гүмис, алты мың шекел алтын ҳәм он қатар кийим алып, жолға шықты.
6. Ол хатты Израил патшасына әкелип берди. Хатта былай деп жазылған еди: «Бул хат пенен бирге қулым Нааманды сизге жиберип атырман. Оны тери кеселлигинен азат етиўиңизди қәлеймен».
7. Израил патшасы хатты оқып көрди де, кийимлерин жыртып: «Адамның тери кеселлигин жазыў ушын маған адам жиберетуғындай, мен не жан алып жан беретуғын Қудай ма едим? Мине, көриңлер ҳәм билип қойыңлар, ол мениң менен урысыў ушын себеп излеп атыр», – деп бақырды.
8. Израил патшасының кийимлерин жыртқанын еситкен Қудайдың адамы Элиша патшаға: «Неге кийимлериңизди жырттыңыз? Ол адамды маған жибериң, Израилда бир пайғамбар бар екенин билип қойсын», – деген хабар жиберди.
9. Солай етип, Нааман атлары ҳәм арбалары менен Элишаның үйиниң есигиниң алдына келип турды.
10. Сонда Элиша хабаршысын жиберип, ол арқалы Нааманға былай деди: «Барып, Иордан дәрьясына жети рет жуўын, сонда териң жаңарып, пәк боласаң».
11. Нааман буған қатты ашыўланып: «Мен, ол алдымнан шығып, өз Қудайы Жаратқан Ийениң атын айтып шақырады ҳәм кеселленген жериме қолын қойып, оны жазады деп ойлаған едим.
12. Дамасктеги Абана ҳәм Парпар дәрьялары Израилдағы барлық дәрьялардың суўларынан артық емес пе? Мен оларда-ақ жуўынып, пәкленип алмас па едим?» – деди де, ашыўға буўлығыўы менен бурылып кетти.
13. Бирақ Нааманның хызметшилери жанына келип: «Мырзам, егер пайғамбар сизге қыйынырақ бир исти исле дегенде, ислемес пе едиңиз? Ол сизге тек: „Барып жуўын, тазаланасаң“, – деди-ғо», – деди.
14. Буннан соң, Нааман Қудайдың адамының сөзи бойынша Иордан дәрьясына барып, жети рет сүңгиди. Сонда оның денеси нәрестениң денесиндей тап-таза болды ҳәм ол пәкленди.
15. Нааман барлық адамлары менен бирге Қудайдың адамына қайтып келди ҳәм оның алдында турып былай деди: – Мине, енди пүткил жер бетинде Израилдың Қудайынан басқа қудайдың жоқ екенин билдим. Өтинемен, қулыңыздың мына саўғасын қабыл етиң, – деди.
16. Бирақ Элиша оған: – Өзим хызметинде болған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳеш нәрсе алмайман, – деди. Нааман Элишаны алыўға көндирмекши болды, бирақ ол алмады.
17. Сонда Нааман былай деди: – Онда маған усы жердиң топырағынан еки ғашырым көтере алғандай топырақ алыўға рухсат бериң. Өйткени қулыңыз болған мен ендигиден былай Жаратқан Ийеден басқа ҳеш бир қудайға жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар бермеймен.
18. Бирақ мына жағдайда Жаратқан Ийе қулын кешириўин өтинемен: мырзам Риммонның бутханасына табыныў ушын барғанда, ол мениң қолыма сүйенеди. Сол ўақытта, Риммонның бутханасында мен де оның менен бирге тәжим қыламан. Сонда Жаратқан Ийе мени кеширсин.
19. Элиша оған: – Аман-есен кете бер, – деди. Нааман сол жерден шығып, бираз узақласқанда,
20. Қудайдың адамы болған Элишаның хызметшиси Гехазий ишинен былай деди: «Мырзам бул арамлы Нааманның әкелген саўғаларын алыўдан бас тартты. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен оның изинен қуўып жетип, оннан бир нәрселер аламан».
21. Солай етип, Гехазий Нааманды қуўып кетти. Нааман изинен биреўдиң қуўып киятырғанын көргенде, арбадан түсти де, оны қарсы алып: – Аманлық па? – деп сорады.
22. Гехазий оған: – Аманлық, – деп жуўап берди. – Мырзам мени: «Жаңа ғана Эфрайымның таўлы үлкесиндеги пайғамбарлар топарынан еки жигит келип қалды. Оларға бир талант гүмис ҳәм еки қатар кийим берсин», – деген хабар менен жиберди.
23. Нааман: – Өтинемен, еки талант гүмис ал, – деди. Оны көндирип, еки талант гүмисти еки дорбаға салып байлады ҳәм еки қатар кийим қосып берип, оларды өзиниң еки хызметшисине көтертти. Олар Гехазийдиң алдында жүрди.
24. Төбешикке жеткенде, Гехазий затларды олардың қолынан алып, үйге жасырды ҳәм адамларды изине қайтарып жиберди.
25. Кейин өзи Элишаның алдына келди. Элиша оннан: – Гехазий қай жақтан киятырсаң? – деп сорады. Гехазий: – Қулыңыз ҳеш жаққа бармады, – деп жуўап берди.
26. Сонда Элиша оған: – Сол адам арбасынан түсип, сени қарсы алғанда руўхым сениң менен бирге емес пе еди? Ҳәзир гүмис, кийим, зәйтүн ҳәм жүзим бағларын, майда ҳәм ири маллар, қул ҳәм шорылар алатуғын ўақыт па?
27. Усы исиң ушын Нааманның жаман тери кеселлиги мәңгиге саған ҳәм сениң урпағыңа жабыссын, – деди. Гехазий Элишаның алдынан шыққанда, оның жаман тери кеселлигине шалынған денеси түлеп кеткен еди.
1. Бир күни пайғамбарлар топарындағылар Элишаға: – Қараң, сизиң жаныңыздағы бизлер жасайтуғын жер жүдә тар.
2. Сонлықтан Иордан дәрьясының бойына барайық ҳәм ҳәр қайсысымыз бир ағаштан кесип алып, сол жерге баспана қурайық, – деди. Элиша оларға: – Барыңлар, – деди.
3. Олардан бири: – Илтимас, сиз де бизлер менен бирге жүриң, – деди. Элиша оған: – Яқшы, бараман, – деди де,
4. олар менен бирге кетти. Олар Иорданға келип, ағаш кесе баслады.
5. Олардан бири ағаш шаўып атырғанда, балтасының басы суўға түсип кетти. Сонда ол: – Ўай, мырзам, балтаны аз-маз ўақытқа сорап алған едим! – деп шырлап қоя берди.
6. Қудайдың адамы оннан: – Ол қай жерге түсти? – деп сорады. Сол адам балтаның басы түскен жерди көрсетти. Элиша бир шақаны кесип алып, сол жерге ылақтырып жибергенде, балтаның басы суўдың бетине қалқып шықты.
7. Элиша: «Оны ал», – деди. Адам қолын созып, балтаның басын алды.
8. Арам патшасы Израилға қарсы урысқа атланды. Ол өз хызметшилери менен мәсләҳәтлескеннен соң: «Мен мына ҳәм мына жерлерге орда қураман», – деди.
9. Қудайдың адамы Израил патшасына: «Ол жерден өтпең, себеби арамлылар сол жерге буққы таслап жатыр», – деген хабар жиберди.
10. Сонда Израил патшасы Қудайдың адамының айтқан жерин тексерип көрди. Бир емес, бир неше мәрте Элиша патшаға алдын ала ескертти. Солай етип, патша сол жерлерге барғанда сақ болды.
11. Буған Арам патшасының қатты ашыўы келди ҳәм хызметшилерин шақырып, оларға: – Маған айтыңлар, қайсы бириңиз Израил патшасының жансызысыз? – деди.
12. Сонда хызметшилерден бири: – Тақсыр, ҳеш биримиз. Буларды Израил патшасына билдирип туратуғын Израилда жасайтуғын пайғамбар Элиша болады. Ол ҳәтте, жататуғын бөлмеңизде айтылғанларды да оған жеткизип турады, – деди.
13. Патша: – Онда барып, оның қай жерде екенин билиңлер. Адам жиберип, оны қолға түсирейин, – деди. Патшаға: «Элиша Дотанда екен», – деп хабарлады.
14. Патша ол жерге атлар, саўаш арбаларын ҳәм ләшкерлер топарын жиберди. Олар түнде келип, қаланы қоршап алды.
15. Қудайдың адамының хызметшиси азанда ерте турып, сыртқа шықса, қала әтирапының ләшкерлер, атлар ҳәм саўаш арбалары менен қоршалғанын көрди. Ол Элишаға: – Ўай мырзам, енди не қыламыз? – деди.
16. Элиша оған: – Қорқпа, себеби бизлердиң тәрепдарларымыз олардикинен көп, – деди.
17. Соңынан Элиша: «Жаратқан Ийе, ол көриўи ушын, оның көзлерин аша гөр», – деп дуўа етти. Жаратқан Ийе хызметшиниң көзлерин ашты. Сонда ол Элишаның дөгерегиндеги таўлардың отлы атлар менен саўаш арбаларына толып турғанын көрди.
18. Арамлылар Элишаға ҳүжим қыла баслағанда, Элиша Жаратқан Ийеге дуўа етип: «Бул адамларды соқыр қылып таслай гөр», – деди. Элишаның сөзине гөре, Жаратқан Ийе оларды соқыр қылып таслады.
19. Кейин Элиша оларға: «Жолдан адасыпсыз, сизлер излеген қала бул емес. Маған ериңлер, сизлерди излеген адамыңыздың алдына алып бараман», – деди де, оларды Самарияға баслап келди.
20. Олар Самарияға келгенде, Элиша: «Жаратқан Ийе! Олар көриўи ушын олардың көзлерин аша гөр», – деди. Жаратқан Ийе олардың көзлерин ашты ҳәм олар өзлериниң Самарияның ортасында турғанын көрди.
21. Израил патшасы оларды көргенде Элишаға: – Мырзам, оларды қырып таслайын ба? – деди.
22. Элиша патшаға: – Яқ, қырып тасламаң. Оларды өлтиретуғындай, сиз оларды өз қылышыңыз ҳәм өз оқ жайыңыз бенен қолға алып па едиңиз? Оларға нан ҳәм суў бериң, ишип-жесин ҳәм өз ҳүкимдарына қайтсын, – деди.
23. Патша арамлылар ушын үлкен зыяпат берди ҳәм ишип-жеп болғаннан кейин, оларды өз ҳүкимдарына қайтарып жиберди. Буннан соң, арамлы басқыншылар Израил жерине қайтып келмеди.
24. Кейинирек Арам патшасы Бен-Ҳадад өзиниң барлық әскерлерин жыйнап келип, Самарияны қамал қылды.
25. Олар қаланы қамал қылып турғанда, онда қатты ашлық болды. Солай етип бир ешектиң геллеси сексен шекел гүмиске, бир уўыс кептер қыйы бес шекел гүмиске сатылды.
26. Бир күни Израил патшасы қала дийўалы үсти менен кетип баратырғанда, бир ҳаял: – Тақсыр, жәрдем бериң, – деп дад салды.
27. Патша оған: – Егер Жаратқан Ийе саған жәрдем бермесе, мен қалай жәрдем бере аламан? Бийдай да, шарап та бере алмайман, – деди де,
28. соңынан: – Не демекшисең? – деди. Ҳаял былай деди: – Мына ҳаял маған: «Улыңды бер, оны бүгин жейик, ал меникин ертең жеймиз», – деген еди.
29. Сөйтип бизлер улымды писирип жедик. Ертеңине мен оған: «Улыңды бер, жейик», – десем, ол улын жасырып таслады.
30. Патша ҳаялдың сөзин еситкенде, кийимлерин жыртып, дийўалдың үсти бойлап жүрди. Сонда халық оның иштен аза кийимин кийип жүргенин көрди.
31. Патша: «Егер усы бүгин Шафат улы Элишаның басы денесинен жуда қылынбаса, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.
32. Элиша ақсақаллар менен өз үйинде отырған еди. Патша бир адамды Элишаға жиберди. Сол адам еле Элишаға жетип келместен алдын Элиша ақсақалларға: «Бул қанхордың мениң басымды кестириў ушын адам жиберип атырғанын көрип турсыз ба? Сол адам келгенде, қапыны илип таслаң, оны ишке киргизбең. Оның изинде мырзасының да аяқ сеслери еситилип тур», – деди.
33. Элиша еле олар менен сөйлесип отырғанда, патша оның алдына келип: «Мине, Жаратқан Ийе қандай апатшылық жиберди! Енди Жаратқан Ийеден не күте аламан?» – деди.
1. Элиша буған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! Жаратқан Ийе былай дейди: «Ертең усы ўақытта Самария дәрўазасындағы базарда бир сеа* сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылады».
2. Сонда патша сүйенип жүретуғын әскербасы Қудайдың адамына: – Егер Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, булай бола қоймас, – деди. Элиша оған: – Сен ҳәммесин өз көзиң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди, – деди/
3. Қала дәрўазасының сыртында жаман тери кеселлигине шалынған төрт адам бар еди. Олар бир-бирине: «Өлимимизди күтип бул жерде отыра берип не қыламыз?
4. Қалаға кирейик десек, ол жерде ашлық болып атыр, ашлықтан өлемиз. Ал бул жерде отыра берсек те, өлемиз. Жақсысы, арамлылардың ордасына барайық. Егер өлтирмесе, тири қалармыз, өлтирсе өлип кетермиз», – деди.
5. Олар арамлылардың ордасына барыў ушын таң қараңғысында турып, орданың шетине келсе, ол жерде бирде бир адам жоқ екен.
6. Себеби Ийемиз Арам ордасына саўаш арбаларының тақыр-туқырлысын, атлардың киснеўин ҳәм көп әскерлердиң шаўқым-сүренин еситтирген еди. Сонда арамлылар бир-бирине: «Израил патшасы бизлерге ҳүжим жасаў ушын Хетт ҳәм Мысыр патшаларын жаллап алған қусайды», – дести.
7. Олар таң қараңғысында шатырларын, атларын, ешеклерин яғный пүткил ордасын таслап, бас саўғалап қашып кеткен еди
8. Жаман тери кеселлиги болған адамлар орданың шетине келип, бир шатырға кирди ҳәм ишип-жеди. Ол жерден гүмис, алтын ҳәм кийимлер алып, оларды жасырып қайтты. Кейин қайтып келип, басқа шатырға кирди ҳәм ол жерден алғанларын да апарып жасырып қойды.
9. Соңынан бир-бирине: «Бизлердиң бул исимиз дурыс емес. Бүгин қуўанышлы хабарлар күни. Егер бизлер айтыўға асықпай, ертең күн шыққанға дейин күтсек, онда жазаға тартыламыз. Жүриң, патша сарайына барып, хабар берейик», – деди.
10. Солай етип, олар келип, қала дәрўазасының қараўылларын шақырып, оларға былай деди: «Бизлер арамлылардың ордасына барып едик. Ол жерде бир де бир адам жоқ, адамның даўысы да еситилмейди. Тек байланған атлар менен ешеклер ҳәм қалай болған болса солай қалған шатырлар бар екен».
11. Дәрўаза қараўыллары жар салып, хабарды патша сарайына жеткизди.
12. Патша түн ортасында төсегинен турып, хызметшилерине: – Арамлылардың қандай жоба дүзип атырғанын сизлерге айтып қояйын: олар бизлердиң ашаршылықты бастан кеширип атырғанымызды биледи. Олар: «Израиллылар қаладан шыққанда, оларды тирилей қолға түсирип, қалаға кирип аламыз», – деп ойлап, атызларға жасырыныў ушын, шатырларын таслап кеткен, – деди.
13. Сонда хызметшилеринен бири патшаға: – Қалада қалған бес атты алып, жағдайды билип келиў ушын бир неше адам жиберейик. Ол жерге барғанлар да, қалада қалғанлар да бәри бир өледи, – деди.
14. Олар ҳәр бирине жуп аттан жегилген еки саўаш арбасын алды. Патша: «Барып, көриңлер», – деп оларды арам әскерлериниң изинен жиберди.
15. Олар арамлылардың изи менен Иордан дәрьясына дейин барды. Пүткил жол бойы арамлылардың асығып қашып баратырып ылақтырып кеткен кийим ҳәм затларына толы еди. Жиберилген адамлар қайтып келип, жағдайды патшаға жеткизди.
16. Сонда халық қаладан шығып, Арам ордасын талан-тараж қылды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша, бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылды.
17. Патша өзи сүйенип жүретуғын әскербасыны дәрўаза аўзына қойған еди. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди. Патша Қудайдың адамының алдына барғанда, ол патшаға усылай болатуғынын айтқан еди.
18. Ҳәммеси Қудайдың адамының патшаға айтқанындай болды. Ол патшаға: «Ертең усы ўақытларда Самария дәрўазасындағы базардың алдында еки сеа арпа да, бир сеа сапалы ун да бир шекелге сатылады», – дегенде,
19. усы әскербасы Қудайдың адамына: «Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, бундай бола қоймас», – деп жуўап берген еди. Сонда Элиша оған: «Сен буны өз көзлериң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди», – деген еди.
20. Солай болды да. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди.
1. Элиша өзи өлимнен тирилткен баланың анасына: «Үй-ишиң менен көшип кетип, жасай алғандай жерде жасап тур. Себеби Жаратқан Ийе елге жети жыллық ашлық жибериўди қарар етти», – деди.
2. Ҳаял Қудайдың адамының сөзи бойынша, үй-иши менен бирге көшип кетип, жети жыл филистлердиң жеринде жасады.
3. Арадан жети жыл өткеннен соң, ҳаял филистлердиң жеринен қайтып келди ҳәм үйи менен жерлериниң қайтарып берилиўин сораў ушын патшаның алдына келди.
4. Сол ўақытта патша Қудайдың адамының хызметшиси Гехазий менен сөйлесип отырған болып, оған: «Маған Элиша ислеген ҳәмме уллы ислер ҳаққында айтып бер», – деген еди.
5. Ол Элишаның өлген адамды тирилткени ҳаққында айтып берип атырған ўақытта, Элиша улын тирилткен ҳаял үйи менен жерлериниң қайтып берилиўин сорап патшаға келди. Сонда Гехазий патшаға: «Тақсыр, мен айтқан ҳаял мынаў, ал қасындағы бала сол Элиша тирилткен бала», – деди.
6. Патша ҳаялдан сорағанда, ол ҳәммесин айтып берди. Патша ҳаялға бир сарай хызметшисин қосып жиберип: «Оған тийисли ҳәмме нәрсе, елден кеткен күннен баслап, усы күнге шекемги жеринен алынған ҳәмме пайдасы менен бирге қайтарып берилсин», – деди.
7. Бир күни Элиша Дамаскке келди. Сол ўақытта Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырып атырған еди. Патшаға: «Қудайдың адамы усы жерге келди», – деп хабарлады.
8. Сонда патша Хазаел деген хызметшисине: «Саўғаға бир нәрселер ал да, Қудайдың адамының алдынан шық ҳәм мениң бул аўырыўдан жазылатуғын яки жазылмайтуғынымды ол арқалы Жаратқан Ийеден сора», – деди.
9. Хазаел саўғаға Дамасктеги ең жақсы затлардан қырық түйеге артып, Қудайдың адамын күтип алыўға кетти. Ол Элишаның алдына келип, оған: – Қулыңыз, Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырыўынан жазылатуғын яки жазылмайтуғынын сораў ушын мени сизге жиберди, – деди.
10. Элиша оған: – Барып оған: «Пүткиллей саўалып кетеди екенсиз», – деп айт. Бирақ Жаратқан Ийе маған оның сөзсиз өлетуғынын аян қылды, – деди.
11. Хазаел уяттан қызарып кеткенше, Қудайдың адамы оған тигилип қарап турды, соңынан жылап жиберди.
12. Хазаел оннан: – Мырзам, неге жылайсыз? – деп сорады. Элиша оған: – Себеби мен сениң Израил халқына ислейтуғын жаўызлықларыңды билемен. Сен олардың қорғанлы қалаларын өртеп, жигитлерин қылыштан өткизесең, емизиўли нәрестелерди жерге урып өлтиресең, жүкли ҳаяллардың қарынларын жарып таслайсаң, – деп жуўап берди.
13. Сонда Хазаел: – Бундай үлкен ислерди ислей алатуғындай, көпектен парқы болмаған бул қулыңыз ким болыпты? – деди. Элиша оған: – Жаратқан Ийе маған сениң Арам патшасы болатуғыныңды көрсетти, – деди.
14. Хазаел Элишаның қасынан кетип, өз ҳүкимдарына келди. Бен-Ҳадад оннан: – Элиша саған не деди? – деп сорады. Ол: – Элиша маған сизиң пүткиллей саўалып кететуғыныңызды айтты, – деп жуўап берди.
15. Бирақ ертеңине Хазаел бир көрпени суўға малып алып, оны патшаның бетине басып, патшаны туншықтырып өлтирди. Солай етип оның орнына өзи патша болды.
16. Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының бесинши жылында Еҳошафат еле Яҳудаға патша болып турған ўақытта, Еҳошафаттың улы Иорам да Яҳудаға патша болды.
17. Иорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти.
18. Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
19. Бирақ Жаратқан Ийе қулы Даўыттың ҳүрмети ушын Яҳуданы жоқ қылғысы келмеди. Себеби Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
20. Иорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды.
21. Иорам пүткил саўаш арбалары менен бирге Саирге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Иорам түнде турып, қамалды жарып шықты. Оның әскерлери де өз үйлерине қарай қашты.
22. Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да қозғалаң көтерген еди.
23. Иорамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
24. Иорам өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының қасына жерленди. Оның орнына улы Ахазия патша болды.
25. Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының он екинши жылында, Иорам улы Ахазия Яҳудаға патша болды.
26. Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди
27. Ахазия Ахабқа қуда-тамыр болғанлығы себепли, Ахабтың урпағының жолынан жүрди ҳәм оларға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
28. Ахазия Арам патшасы Хазаелге қарсы урысыў ушын, Ахаб улы Иорам менен бирге Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти.
29. Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Иорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.
1. Сол күнлери пайғамбар Элиша пайғамбарлар топарындағылардан бирин шақырып, оған былай деди: «Белиңди буўып, мына зәйтүн майы қуйылған ыдысты ал да, Гиладтағы Рамотқа бар.
2. Сол жерге барыўдан Нимшийдиң ақлығы Еҳошафаттың улы Еҳуды тап. Оны жолдасларының арасынан шақырып алып, ишки бөлмеге алып бар.
3. Кейин зәйтүн майы қуйылған ыдысты алып, майды оның басына қуй ҳәм оған былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“. Соңынан иркилмей, қапыны аш та қаш».
4. Солай етип, пайғамбардың хызметши жигити Гиладтағы Рамотқа кетти.
5. Жигит сол жерге жетип барғанда, әскербасылардың бир жерге жыйналып отырғанын көрди. Ол: – Ҳәй әскербасы, сизге айтар гәпим бар, – деди. Еҳу оннан: – Қайсы биримизге? – деп сорады. Жигит оған: – Сизге, әскербасы, – деди.
6. Еҳу орнынан турып, үйге кирди. Жигит зәйтүн майын Еҳудың басына қуйды да былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, халқым Израил үстинен патша етип қойдым.
7. Сен мырзаң Ахабтың урпағын қырып таслайсаң. Мениң қулларым болған пайғамбарларымның ҳәм барлық қулларымның төгилген қаны ушын Мен Изабелден өш аламан.
8. Ахабтың пүткил урпағы жоқ болады. Израилда Ахабтың урпағынан болған ҳәр бир еркек затын, азат болсын, қул болсын ҳәммесин жоқ қыламан.
9. Набат улы Яробам менен Ахия улы Баашаның урпағына не қылған болсам, Ахабтың урпағына да соны ислеймен.
10. Изабелдиң денесин Изреел жеринде ийтлерге жем қыламан ҳәм оның денеси көмиўсиз қалады“». Жигит усыларды айтып бола сала, қапыны ашып, қашып кетти.
11. Еҳу шығып, патшаның әскербасыларының жанына келгенде, олардан бири Еҳудан: – Тынышлық па? Ана телбе саған неге келипти? – деп сорады. Еҳу оған: – Сизлер оның ким екенин де, не айтатуғынын да билесиз-ғо, – деп жуўап берди.
12. Олар: – Сен алдап турсаң, бизлерге де айтшы, – деди. Еҳу оларға былай деди: – Ол маған мына нәрселерди айтты: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“».
13. Сонда олар асығыс түрде шапанларын шешип, оларды Еҳу турған текшеге төседи ҳәм кәрнай шалып: «Еҳу патша болды!» – деп жар сала баслады.
14. Солай етип, Нимшийдиң ақлығы Еҳошафат улы Еҳу Иорамға қарсы тил бириктирди. Сол ўақытлары Иорам Израил халқы менен бирге Гиладтағы Рамотты Арам патшасы Хазаелден қорғап турған еди.
15. Бирақ патша Иорам Арам патшасы Хазаел менен болған урыста жарақатланып, емлениў ушын Изреелге қайтқан еди. Еҳу қасындағыларға былай деди: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз, онда ҳеш бир адамның бул қаладан шығып кетип, Изреелге хабар жеткериўине жол қоймаңлар».
16. Соңынан Еҳу саўаш арбасына минип, Иорам жатырған жерге, Изреелге келди. Яҳуда патшасы Ахазия да Иорамды көриў ушын сол жерге келген еди.
17. Изреелдеги минара үстинде турған гүзетши Еҳудың әскерлери менен жақынласып киятырғанын көрип: «Әскерлер топарын көрип турман», – деп бақырды. Иорам: «Оларды қарсы алып, не ушын киятырғанын билип келиў ушын бир атлыны жибер», – деди.
18. Атлы Еҳуды қарсы алыў ушын кетти ҳәм оған: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди. Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады», – деп хабарлады.
19. Сонда екинши бир атлы жиберилди. Атлы оларға барып: – Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди. Еҳу оған: – Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди.
20. Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады. Киятырған адамның арбасының жүриси Нимший улы Еҳудикине уқсайды. Себеби ол қутырып шаўып киятыр», – деп хабарлады.
21. Сонда Иорам: «Арбаны жегиңлер!» – деп буйырды. Оның арбасын жекти. Израил патшасы Иорам ҳәм Яҳуда патшасы Ахазия ҳәр бири өз арбасына минип, Еҳуды қарсы алыўға шықты ҳәм олар изреелли Наботтың атызында ушырасты.
22. Иорам Еҳуды көргенде, оннан: – Еҳу, тынышлық па? – деп сорады. Еҳу оған: – Анаң Изабел баслаған бутпаразлық ҳәм сыйқыршылықлар даўам етер екен, қалай тынышлық болсын? – деп жуўап берди.
23. Сонда Иорам Ахазияға: «Сатқынлық бул, Ахазия, сатқынлық!» – деп бақырыўы менен арбасының дизгинин бурып, қаша жөнелди.
24. Ал Еҳу оқ жайын бар күши менен керип, Иорамның жаўырынына атты ҳәм оқ оның жүрегин тесип өтти. Иорам арбасының ишине қулады.
25. Сонда Еҳу әскербасы Бидқарға: «Оны алып, изреелли Наботтың атызына ылақтырып жибер. Себеби ядыңа түсир, бизлер екеўимиз бирге Иорамның әкеси Ахабтың изинен барғанымызда, Жаратқан Ийе Ахабқа қарсы мына сөзлерди айтқан еди:
26. „Кеше Наботтың ҳәм оның улларының қанын көрдим. Сеннен усы атызда өш аламан“. Енди Жаратқан Ийениң сөзи бойынша оның денесин алып, атызға ылақтыр», – деди.
27. Яҳуда патшасы Ахазия буны көргенде, Бейт-Ҳагганға қарай қашты. Еҳу оны қуўып баратырып: «Оны да өлтириң», – деп бақырды. Ахазияны Иблеам жанындағы Гур жолында, арбасында турған жеринде оқ жай менен атты. Ол Мегиддоға қашып барып, сол жерде жан тапсырды.
28. Адамлары оның денесин арба менен Ерусалимге алып келди ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының қасына, өз қәбирине қойды.
29. Ахазия Ахаб улы Иорамның патшалығының он биринши жылында Яҳудаға патша болған еди.
30. Кейин Еҳу Изреелге келди. Изабел болған ўақыяларды еситип, көзлерине сүрме жағып, шашларын сулыўлап, терезеден қарап турған еди.
31. Еҳу дәрўазадан киргенде, Изабел оған: «Ҳәй, өз ҳүкимдарын өлтирген Зимрий, тынышлық па?» – деди.
32. Еҳу терезеге қарап: «Ким мен тәрепте, ким?» – деди. Сонда еки-үш сарай хызметшиси Еҳуға бой көрсетти.
33. Еҳу оларға: «Оны төменге ылақтырыңлар!» – деди. Хызметшилер Изабелди жерге ылақтырды. Оның қаны дийўалға ҳәм атларға шашырап, атлар оның денесин басқылап таслады.
34. Еҳу ишке кирип ишип-жеди ҳәм соңынан: «Бул ғарғыс урған ҳаялды таўып, жерлеңлер. Өйткени ол патша туқымынан ғой», – деди.
35. Бирақ Изабелди жерлеў ушын кеткенлер оның бас сүйеги ҳәм аяқ-қолларынан басқа ҳеш нәрсесин таппады.
36. Олар қайтып келип, буны Еҳуға хабарлады. Сонда Еҳу былай деди: «Жаратқан Ийениң қулы тишбели Илияс арқалы айтқан сөзи орынланды. Жаратқан Ийе: „Изабелдиң денеси Изреел атызларында ийтлерге жем болады.
37. Аўа, Изабелдиң денеси Изреел атызларына төгилген төгинге уқсап қалады ҳәм ҳеш ким оны бул Изабел-ғо деп айтпайды“, – деген еди».
1. Самарияда Ахабтың жетпис улы бар еди. Сол себепли Еҳу хат жазып, оны Самариядағы Изреел басшыларына, ақсақалларға ҳәм Ахабтың улларының тәрбияшыларына жиберди. Онда былай деп жазылған еди:
2. «Мырзаңыздың уллары сизлер менен бирге. Сизлерде саўаш арбалары, атлар, қурал-жарақлар бар ҳәм сизлер қорғанлы қалада жасайсыз. Сонлықтан бул хат сизлерге жетип барыўдан,
3. өз ҳүкимдарыңыздың улларынан ең жақсысын ҳәм ең ылайықлысын сайлап, оны әкесиниң тахтына отырғызың ҳәм ҳүкимдарыңыздың үй-иши ушын гүресиң».
4. Бирақ олар қатты қорқып кетип: «Еҳуға еки патша бас келе алмағанда, бизлер қалай бас келе аламыз?» – дести.
5. Кейин сарай басқарыўшысы, қала ҳәкими, ақсақаллар ҳәм Ахабтың улларын тәрбиялаўшылар Еҳуға мына хабарды жиберди: «Бизлер сизиң қулларыңбыз, не буйырсаңыз, соны ислеймиз. Бизлер ҳеш кимди патша етип қоймаймыз, өзиңизге не мақул болса, соны ислең».
6. Еҳу оларға екинши рет мына мазмунда хат жазды: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз ҳәм мениң сөзиме бойсынсаңыз, онда өз ҳүкимдарыңыздың улларының басын алып, ертең усы ўақытта Изреелге, мениң алдыма келиңлер». Патшаның жетпис улы болып, оларды қаланың ҳүрметли адамлары тәрбиялап атырған еди.
7. Хат оларға жетип келгенде, олар патшаның жетпис улын өлтирип, басларын себетке салды ҳәм Изреелге, Еҳуға жиберди.
8. Хабаршы келип, Еҳуға: «Патшаның улларының басларын алып келди», – деп билдиргенде, Еҳу оған: «Оларды еки үйиншик етип, қала дәрўазасының кирер аўзына қойың, азанға дейин сол жерде турсын», – деди.
9. Ертеңине азанда Еҳу сыртқа шығып, пүткил халыққа былай деди: «Сизлердиң айыбыңыз жоқ. Ҳүкимдарыма қарсы мен бас көтердим ҳәм оны мен өлтирдим. Ал мыналардың бәрин ким өлтирди?
10. Енди билип қойыңлар, Жаратқан Ийениң Ахабтың үй-ишине қарсы айтқан сөзлериниң бирде биреўи орынланбай қалмайды. Жаратқан Ийе Өз қулы Илияс арқалы айтқанларын жүзеге асырды».
11. Еҳу Изреелде Ахабтың үй-ишинен қалған адамлардың ҳәммесин, ўәзирлерин, жақынларын, руўханийлерин өлтирди. Оның бирде бир адамын тири қалдырмады.
12. Соңынан Еҳу Самарияға қарай жолға шықты. Жолда шопанларға тийисли болған Бейт-Экед деген жерден өтип баратырып,
13. Яҳуда патшасы Ахазияның туўысқанларын ушыратты. Олардан: «Сизлер кимсизлер?» – деп сорады. Олар: «Бизлер Ахазияның туўысқанларымыз. Патшаның ҳәм ханбийке Изабелдиң улларынан хабар алыўға баратырмыз», – деди.
14. Еҳу адамларына: «Буларды тирилей услап алыңлар», – деди. Оларды тирилей услап алып, Бейт-Экед суў сақлағышының жанында қылыштан өткизди. Олар қырық еки адам еди. Олардан бирде бири аман қалмады.
15. Еҳу сол жерден кеткеннен соң, өзин күтип алыўға киятырған Рехаб улы Ионадабты ушыратты ҳәм оның менен сәлемлесип атырып: – Мениң саған деген нийетим қалыс болғаны сыяқлы, сениң де маған деген нийетиң қалыс па? – деди. Ионадаб оған: – Аўа, – деди. Еҳу: – Онда қолыңды бер, – деди. Ионадаб қолын созды. Еҳу оны арбасына мингизип:
16. – Мениң менен бирге жүр ҳәм мениң Жаратқан Ийе ушын қаншелли жан күйдиретуғынымды көр, – деди де, оны арбасына мингизип алып кетти.
17. Соңынан Еҳу Самарияға барды ҳәм Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзлери бойынша Ахабтың Самарияда қалған барлық адамларын түп-тамыры менен жоқ қылды.
18. Еҳу пүткил халықты жыйнап, оларға былай деди: «Ахаб Баалға аз хызмет етти, ал мен оған көбирек хызмет етежақпан.
19. Баалдың барлық пайғамбарларын, руўханийлерин ҳәм оған табынатуғынлардың ҳәммесин мениң алдыма шақырыңлар, ҳеш ким келмей қалмасын. Себеби Баалға арнап уллы бир қурбанлық бережақпан. Ким де ким келмей қалса, ол өлтириледи». Еҳу бул жерде Баалға табынатуғынларды жоқ қылыў ушын ҳийле ислеткен еди.
20. Соңынан Еҳу: «Баалға арнап салтанатлы жыйналыс қылың», – деди. Жыйын жәрияланды.
21. Еҳу пүткил Израилға хабаршылар жиберди ҳәм Баалға табынатуғынлардың ҳәммеси келди, бирде бир адам келмей қалмады. Олар Баалдың бутханасына кирди, бутхана аўзына дейин лыққа толды.
22. Еҳу мухаддес кийимлерди қорғайтуғын адамға: «Баалға табынатуғынлардың ҳәммесине кийим әкелип бер», – деди. Ол оларға кийим әкелип берди.
23. Еҳу Рехаб улы Ионадаб пенен Баалдың бутханасына кирип, Баалға табынатуғынларға: «Әтирапыңызға жақсылап қараң, араңызда Жаратқан Ийеге сыйынатуғынлардан ҳеш ким болмасын, бул жерде тек Баалға табынатуғынлар болсын», – деди.
24. Соңынан Еҳу ҳәм Ионадаб жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм басқа қурбанлықларды бериўди баслады. Еҳу бутхананың сыртына сексен адамды қойып, оларға былай деп ескерткен еди: «Қолыңызға берген адамлардан биреўи қашып кетсе, жаныңыз бенен төлейсиз».
25. Жандырылатуғын қурбанлық бериў жуўмақланғанда, Еҳу сақшыларға ҳәм әскербасыларға: «Ишке кирип, оларды өлтириң, бирде биреўи қашып кетпесин», – деди. Олар ҳәммени қылыштан өткизип, денелерин сыртқа ылақтырды. Кейин Баалдың бутханасының ишки бөлмесине кирди.
26. Бутханадан Баалға арналған кийели тасларды алып шығып, оларды өртеп жиберди.
27. Олар Баалға арналған кийели тасты да, Баалдың бутханасын да бузып таслады. Халық ол жерди ҳәзирги күнге шекем ҳәжетхана ретинде пайдаланып келмекте.
28. Солай етип, Еҳу Израилдағы Баалға табыныўшылықты жоқ қылды.
29. Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан, яғный Бейт-Эл ҳәм Дандағы алтын таналарға табыныўдан бас кешпеди.
30. Жаратқан Ийе Еҳуға: «Мениң нәзеримде туўры болған ислерди ислегениң, Ахабтың үй-ишине Мениң жүрегимде болған ҳәмме нәрсени ислегениң ушын, сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деди.
31. Бирақ Еҳу Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң нызамы бойынша жүриўге шын жүректен ҳәрекет етпеди. Ол Израилды гүнаға баслаған Яробамның гүналарынан ўаз кешпеди.
32. Сол күнлери Жаратқан Ийе Израил жерлерин бөлеклеп, қысқарта баслады. Арам патшасы Хазаел барлық Израил аймақларында израиллыларды жеңип барды.
33. Ол Иордан дәрьясының шығысындағы Гад, Рубен ҳәм Менашше урыўларына тийисли болған пүткил Гилад жерин, Арнон сайының бойындағы Ароерден Гиладқа ҳәм Башанға дейинги жерлерди басып алды.
34. Еҳудың қалған ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер, оның ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
35. Еҳу өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияда жерледи. Оның орнына улы Еҳоахаз патша болды.
36. Еҳу Самарияда Израил үстинен жигирма сегиз жыл патшалық еткен еди.
1. Яҳуда патшасы Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
2. Бирақ патша Иорамның қызы, Ахазияның қарындасы Еҳошеба Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Оны Аталиядан жасырып, өлимнен аман алып қалды.
3. Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өз тәрбияшысы менен алты жыл жасырын түрде жасады.
4. Жетинши жылы руўханий Еҳояда карлы сақшылар* менен сарай сақшыларының жүзбасыларына адам жиберип, оларды өз жанына, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алдырды. Сол жерде бул адамлар менен келисим дүзип, оларға ант ишкизгеннен соң, оларға патшаның улын көрсетти.
5. Кейин Еҳояда оларға буйрық берип, былай деди: «Сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келгениңизде, үштен бириңиз патшаның сарайын қорғайсыз.
6. Үштен бириңиз Сур дәрўазасын, ал қалған үштен бириңиз сарай сақшыларының артындағы дәрўазаны қорғайсыз. Усылайынша сарайды қорғайсыз.
7. Шаббат күни хызметтен шыққан басқа еки топар сақшыларыңыздың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жанында патшаны қорғайды.
8. Ҳәр бир адам қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын, ким де ким сапқа жақынласса, ол өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
9. Жүзбасылар руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып, руўханий Еҳоядаға келди.
10. Руўханий Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найза ҳәм қалқанларды жүзбасыларға таратты.
11. Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойылды.
12. Еҳояда патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, ал халық қол шаппатлап: «Жасасын патша!» – деп қышқырысты.
13. Аталия сақшылардың ҳәм халықтың бақырысқан даўысларын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди.
14. Қараса, дәстүр бойынша патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
15. Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемеди. Сонлықтан жүзбасыларға: «Мына ҳаялды бул жерден алып шығыңлар. Оған ергенлерди қылыштан өткизиңлер», – деп буўрық берди.
16. Аталия тутып алынды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелинип, сол жерде өлтирилди.
17. Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда патша, халық ҳәм Жаратқан Ийе арасында келисим дүзди. Ол патша менен халық арасында да келисим дүзди.
18. Үлке халқы Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. Руўханий Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қараўыллар қойды.
19. Кейин ол жүзбасыларды, карлы сақшыларды, сарай сақшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Оны сақшылар дәрўазасының жолы арқалы сарайға алып келди ҳәм ол патшалар тахтына отырды.
20. Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия патша сарайында қылыш пенен өлтирилген еди.
21. Иоаш тахтқа отырғанда жети жаста еди.
1. Израил патшасы Еҳудың патшалығының жетинши жылында, Иоаш Яҳудаға патша болды ҳәм Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди.
2. Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Өйткени руўханий Еҳояда оған жол көрсететуғын еди.
3. Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4. Сонда Иоаш руўханийлерге былай деди: «Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арнап алып келинген барлық гүмисти: дизим бойынша жыйналған жан салығын ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ўәде бойынша берилген ямаса еркли түрде берилген гүмислерди топлаң.
5. Бул гүмислерди руўханийлер қазнашылардан қабыл етип алсын ҳәм оларды Ибадатхананың бузылған жерлери болса, сол жерлерди оңлаўға сарпласын».
6. Бирақ Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында да руўханийлер Ибадатхананың бузылған жерлерин еле оңламаған еди.
7. Сонлықтан патша Иоаш руўханий Еҳояданы ҳәм басқа руўханийлерди шақырып, оларға былай деди: «Не ушын Ибадатхананың бузылған жерлерин оңламай атырсызлар? Ендигиден былай қазнашылардан гүмис алмай, оларды Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаў ушын бериңлер».
8. Руўханийлер халықтан гүмис алмаўға ҳәм Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаўға қатнаспаўға ыразы болды.
9. Руўханий Еҳояда бир қуты алып, оның қақпағының үстин тести де, қутыны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы қурбанлық орынның оң жағына қойды. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келинген ҳәмме гүмислерди қутыға салып турды.
10. Қутыға көп гүмис жыйылғанын көргенде, патшаның хаткери менен бас руўханий келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына түскен гүмислерди қалталап, тәрезиге тартып өлшеди.
11. Өлшенген гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасында ислеп атырған усталарға, қурылысшыларға,
12. өриўшилерге ҳәм тас жоныўшыларға төледи. Және де, Жаратқан Ийениң Ибадатханасын оңлаў ушын ағаш, жонылған таслар сатып алыўға ҳәм оңлаў ушын керек болған басқа да затларға сарпланды.
13. Бирақ Жаратқан Ийениң Ибадатханасында жыйналған гүмистен Ибадатхана ушын гүмис қырмалар, пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, кәрнайлар ҳәм алтын ямаса гүмис буйымлар ислеўде жумсалмады.
14. Себеби бул гүмислер тек жумысшыларға төленип, Ибадатхана дүзетиўге сарпланды.
15. Жумысшыларға төлеў ушын гүмис берилген адамлардан ҳеш қандай есап талап етилмеди. Себеби олар ҳадал ислейтуғын еди.
16. Айып ҳәм гүна қурбанлығы ушын берилген гүмислер Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келинбеди, олар руўханийлерге тийисли еди.
17. Сол ўақытта Арам патшасы Хазаел Гат қаласына ҳүжим жасап, оны басып алды. Кейин ол Ерусалимге ҳүжим жасаўға қарар етти.
18. Бирақ Яҳуда патшасы Иоаш өз ата-бабалары болған Яҳуда патшалары Еҳошафаттың, Иорамның, Ахазияның ҳәм өзиниң Жаратқан Ийеге атаған мухаддес сыйларының ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм патша сарайының қазнасынан табылған барлық алтынларды Арам патшасы Хазаелге жиберди. Сонда Хазаел де Ерусалимнен шегинди.
19. Иоаштың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
20. Иоаштың хызметшилери қозғалаң көтерип, оған қарсы тил бириктирди ҳәм оны Силлаға баратуғын жолда, Бейт-Миллода өлтирди.
21. Иоашты өлтирген хызметшилери Шимеат улы Иозабад ҳәм Шомер улы Еҳозабад еди. Иоаш өлип, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Оның орнына улы Амасия патша болды.
1. Яҳуда патшасы Ахазия улы Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында, Еҳу улы Еҳоахаз Самарияда Израилға патша болды ҳәм он жети жыл патшалық етти.
2. Еҳоахаз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробамның гүналарын даўам етип, олардан бас тартпады.
3. Сол себепли Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, оларды узақ ўақыт Арам патшасы Хазаелдиң ҳәм оның улы Бен-Ҳададтың қолына берип қойды.
4. Сонда Еҳоахаз Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе оны еситти. Себеби Ол Арам патшасының израиллыларды қалай аяўсыз езип атырғанын көрип турған еди.
5. Солай етип Жаратқан Ийе израиллыларға бир қутқарыўшыны жиберди ҳәм израиллылар арам халқының қол астынан қутылып, бурынғыдай өз үйлеринде қәўипсиз жасай баслады.
6. Деген менен, олар Яробамның үй-ишиниң Израилды баслаған гүналарынан бас тартпай, оны даўам етти ҳәм кийели ағашы да Самарияда тура берди.
7. Еҳоахаздың елиў атлысы, он саўаш арбасы ҳәм он мың пияда әскери қалды. Өйткени Арам патшасы оларды қырып, күлин көкке суўырған еди.
8. Еҳоахаздың қалған ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
9. Еҳоахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияға жерледи. Оның орнына улы Еҳоаш патша болды.
10. Яҳуда патшасы Иоаштың патшалығының отыз жетинши жылында, Еҳоахаз улы Еҳоаш Самарияда Израилға патша болды ҳәм он алты жыл патшалық етти.
11. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмай, сол гүналарды даўам етти.
12. Еҳоаштың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен урысқанда көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
13. Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияда Израил патшаларының жанына жерленди. Оның тахтына улы Яробам отырды.
14. Элиша даўасыз кеселликке шалынды. Израил патшасы Еҳоаш оны көриўге барып: «Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары!» – деп жылады.
15. Элиша оған: «Қолыңа оқ жай менен оқларды ал», – деди. Патша оқ жай менен оқларды алды.
16. Элиша: «Оқ жайды кер», – деди. Патша оқ жайды керди. Сонда Элиша қолларын патшаның қоллары үстине қойып:
17. «Шығыс тәрептеги айнаны аш», – деди. Патша айнаны ашты. Элиша: «Оқты ат», – деди. Ол атты. Элиша оған: «Бул оқ – Арам үстинен сени жеңиске еристиретуғын Жаратқан Ийениң жеңис оғы. Сен Афекте оларды толығы менен жоқ қыласаң», – деди.
18. Соңынан: «Оқларды ал», – деди. Патша оқларды алғанда, Элиша оған: «Оқларды жерге ур», – деди. Патша оқларды үш рет жерге урды да, тоқтап қалды.
19. Қудайдың адамының буған ашыўы келип: «Бес-алты рет урыўың керек еди. Сонда арамлыларды толығы менен жеңген болар едиң. Енди арамлыларды тек үш рет ғана жеңе аласаң», – деди.
20. Элиша өлип, жерленди. Ҳәр жылы бәҳәрде Моаб басқыншылары Израилға келетуғын еди.
21. Бир күни израиллылар бир өлини жерлеп атырғанда басқыншыларды көрип қалды ҳәм өлини Элишаның гөрине ылақтырып қашты. Өли дене Элишаның сүйеклерине тийгенде тирилип, аяққа турды.
22. Арам патшасы Хазаел Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде израиллыларға зулымлық етип келди.
23. Бирақ Жаратқан Ийе Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимине гөре, израиллыларға мийрим- шәпәәт көрсетти ҳәм реҳим етип, оларға жүз бурды. Оларды жоқ қылыўды қәлемеди ҳәм бүгинге дейин Өз дәргайынан қуўып жибермеди.
24. Арам патшасы Хазаел өлип, орнына улы Бен-Ҳадад патша болды.
25. Израил патшасы Еҳоаш әкеси Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде қолдан берген қалаларды Хазаелдиң улы Бен-Ҳададтан қайтарып алды. Еҳоаш оны үш рет жеңилиске ушыратып, Израил қалаларына қайта ийелик етти.
1. Израил патшасы Еҳоахаздың улы Еҳоаштың патшалығының екинши жылында Яҳуда патшасы Иоаштың улы Амасия Яҳуда тахтына отырды.
2. Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди.
3. Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, бабасы Даўытқа уқсамады. Ал ҳәр бир исте ол әкеси Иоаштан өрнек алды.
4. Ол да сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5. Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди.
6. Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, жынаятшылардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
7. Амасия Дуз ойпатлығында он мың эдомлыны өлтирип, Села қаласын басып алды ҳәм оған Иоқтеел деп ат қойды. Бул қала ҳәзир де сол ат пенен аталады.
8. Кейин Амасия Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
9. Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти.
10. Сен эдомлыларды жеңдиң, сонлықтан көкирегиң әласпанда. Усы жеңисиңди жуўып, үйиңде отыр. Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
11. Деген менен, Амасия қулақ аспады. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди.
12. Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты.
13. Израил патшасы Еҳоаш Ахазияның ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алды. Соңынан Ерусалимге келип, қала дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады.
14. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы қазнадан табылған ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме затларды, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып Самарияға қайтып кетти.
15. Еҳоаштың басқа ислери, оның қаҳарманлықлары ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен қалай урысқаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16. Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияға, Израил патшаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Яробам патша болды.
17. Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди.
18. Амасияның басқа ислери Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
19. Ерусалимде Амасияға қарсы тил бириктирилгенликтен, ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти.
20. Олар Амасияның денесин атқа артып, Ерусалимге алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата- бабаларының жанына жерленди.
21. Яҳуда халқы он алты жасар Азарияны* әкеси Амасияның орнына патша етип қойды.
22. Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Азария Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурды.
23. Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасияның патшалығының он бесинши жылында, Еҳоаш улы Яробам Самарияда Израилға патша болды ҳәм қырық бир жыл патшалық етти.
24. Яробам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан ўаз кешпеди.
25. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өз қулы гат-хеферли пайғамбар Амиттай улы Юнус арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яробам Лебо-Хаматтан Өли теңизге* шекемги Израил жерлерин қайта тикледи.
26. Себеби Жаратқан Ийе Израил халқы тартып атырған күшли азапты көрди. Қул да, азат адам да, ҳәммеси азап ишинде болып, оларға жәрдем бергендей ҳеш ким жоқ еди.
27. Жаратқан Ийе Израилдың атын жер бетинен жоқ қылып жибериўди қәлемегенликтен, Еҳоаш улы Яробам арқалы оларды қутқарды.
28. Яробамның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның қаҳарманлықлары, қалай урысқанлары ҳәм Яҳудаға тийисли болған Дамаск пенен Хаматты Израилға қалай қайтарып алғаны ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
29. Яробам өлип, ата- бабалары болған Израил патшаларына қосылды. Оның орнына улы Зехария патша болды.
1. Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирма жетинши жылында, Яҳуда патшасы Амасияның улы Азария Яҳудаға патша болды.
2. Азария он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди.
3. Азария да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
4. Бирақ сыйыныў орынлары алып тасланбады ҳәм халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5. Жаратқан Ийе патша Азарияны жазалады. Ол бир өмир жаман тери кеселлигине шалынып, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды.
6. Азарияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
7. Азария өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.
8. Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз сегизинши жылында, Яробам улы Зехария Самарияда Израилға патша болды ҳәм алты ай патшалық етти.
9. Ата-бабалары сыяқлы, ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады.
10. Ябеш улы Шаллум Зехарияға қарсы тил бириктирип, оны халықтың алдында өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды.
11. Зехарияның басқа ислери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
12. Солай етип, Жаратқан Ийениң Еҳуға: «Сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деп айтқан сөзи орынланды.
13. Яҳуда патшасы Уззияның* патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Ябеш улы Шаллум Израилға патша болды ҳәм Самарияда бир ай патшалық етти.
14. Гад улы Менахем Тирсадан Самарияға келип, сол жерде Ябеш улы Шаллумды өлтирди ҳәм оның орнына өзи патша болып алды.
15. Шаллумның басқа ислери ҳәм ол дүзген қастыяншылық Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16. Сол ўақытта Менахем Тирсадан шығып, өзине дәрўазаларын ашпағаны ушын, Тифсах қаласын ҳәм оның әтирапындағы аўыллардың ҳәммесин қырды ҳәм ҳәмиледар ҳаяллардың қарынларын жарып таслады.
17. Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Гад улы Менахем Израилға патша болып, Самарияда он жыл патшалық етти.
18. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм өмири бойы Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
19. Ассирия патшасы Пул Израилға ҳүжим етти. Бирақ Менахем Пулдың қоллап-қуўатлаўына ерисиў арқалы өз патшалығын беккемлеў ушын, Пулға мың талант гүмис берди.
20. Менахем Ассирия патшасына бериў ушын, Израилдағы бай адамлардың ҳәр бирине елиў шекел гүмистен салық салды. Солай етип, Ассирия патшасы елден шегинип, өз үлкесине қайтып кетти.
21. Менахемниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
22. Менахем өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм оның орнына улы Пеқахия патша болды.
23. Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиўинши жылында, Менахем улы Пеқахия Самарияда Израилға патша болды ҳәм еки жыл патшалық етти.
24. Пеқахия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады.
25. Пеқахияның әскербасыларынан бири Ремалия улы Пеқах оған қарсы тил бириктирди. Ол жанына гиладлы елиў адамды алып, Аргоб ҳәм Арйе деген адамлар менен бирикти де, Самариядағы сарайдың қорғанында Пеқахияны өлтирип, орнына өзи патша болды.
26. Пеқахияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27. Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиў екинши жылында, Ремалия улы Пеқах Самарияда Израилға патша болды ҳәм жигирма жыл патшалық етти.
28. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
29. Израил патшасы Пеқахтың дәўиринде, Ассирия патшасы Тиглат- Пилесер Израилдың Иййон, Абел-Бейт-Мааха, Яноах, Кедеш, Хасор қалаларын ҳәм Гилад, Галила, Нафталий үлкелерин басып алып, халқын Ассирияға айдап кетти.
30. Яҳуда патшасы Уззия улы Иотамның патшалығының жигирмаланшы жылында, Эла улы Ҳошеа Ремалия улы Пеқахқа қарсы тил бириктирип, оны өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды.
31. Пеқахтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
32. Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының екинши жылында, Уззия улы Иотам Яҳудаға патша болды.
33. Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди.
34. Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
35. Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбай, халық ол жерлерде еле қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. Иотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды.
36. Иотамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
37. Сол күнлерде Жаратқан Ийе Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқахты Яҳудаға ҳүжимге жибере баслады.
38. Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.
1. Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының он жетинши жылында, Иотам улы Ахаз Яҳудаға патша болды.
2. Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислеген бабасы Даўытқа уқсамады.
3. Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып, қурбан етти.
4. Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.
5. Сонда Арам патшасы Ресин ҳәм Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимди басып алыў ушын ҳүжим етти. Олар қаланы қамал қылып турса да, Ахазды жеңе алмады.
6. Сол арада Арам патшасы Ресин Элат қаласын қайтарып алып, ол жердеги Яҳуда халқын қуўып жиберди. Соңынан эдомлылар Элатқа қоныс басты, олар ҳәзир де сол жерде жасайды.
7. Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерге елшилерин жиберип: «Мен сизиң қулыңыз ҳәм хызметшиңизбен. Келип, маған ҳүжим етип атырған Арам ҳәм Израил патшаларының қолынан мени қутқарың», – деди.
8. Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмис ҳәм алтынларды алып, Ассирия патшасына саўғаға берип жиберди.
9. Ассирия патшасы Ахаздың тилегин орынлап, Дамаскке ҳүжим етип, оны қолға киргизди. Қала халқын Кирге сүргин қылып, Ресинди өлтирди.
10. Патша Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерди қарсы алыў ушын Дамаскке барғанда, сол жердеги қурбанлық орынды көрди. Ол қурбанлық орынның сүўретин ҳәм қурылысының сызылмасын руўханий Урияға жиберди.
11. Руўханий Урия патша Ахаз Дамасктен келгенше, Дамасктен ол жиберген үлги бойынша, қурбанлық орын қурдырып қойды.
12. Патша Дамасктен қайтып келгенде, қурбанлық орынды көрди ҳәм оған жақынлап, үстинде қурбанлықлар берди.
13. Ол қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлығын ҳәм ғәлле садақасын түтетип жандырды, оған ишимлик садақасын қуйып, татыўлық қурбанлығының қанын септи.
14. Ал Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынды Ибадатхананың алдынан, яғный таза қурбанлық орын менен Ибадатхана ортасында турған орнынан жылжытып, оны жаңа қурбанлық орынның арқа тәрепине қойды.
15. Соңынан патша Ахаз руўханий Урияға мынадай буйрық берди: «Азанғы жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм кешки ғәлле садақасын, патша берген жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм ғәлле садақасын, үлке халқы берген жандырылатуғын қурбанлықты, ғәлле садақасын ҳәм ишимлик садақасын үлкен қурбанлық орында усын. Жандырылатуғын қурбанлықлардың ҳәм басқа қурбанлықлардың ҳәммесиниң қанын оған сеп. Ал қоладан исленген қурбанлық орынды мен келешекти билиў ушын қолланаман».
16. Руўханий Урия патша Ахаздың буйрықларын толық орынлады.
17. Патша Ахаз түбелдириклердиң тахталарын кестирип, үстиндеги ләгенлерди алдырып таслады. Ҳаўызды да қола буғалардың үстинен түсирип, төселген тастың үстине қойды.
18. Ассирия патшасына жағыныў ушын, ол Шаббат күнлери Жаратқан Ийениң Ибадатханасына киретуғын үсти жабық жолды ҳәм патша киретуғын қапыны жаўып таслады.
19. Ахаздың басқа ислери ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
20. Ахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Хизкия патша болды.
1. Яҳуда патшасы Ахаздың патшалығының он екинши жылында, Эла улы Ҳошеа Самарияда Израилға патша болып, тоғыз жыл патшалық етти.
2. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Бирақ өзинен алдынғы Израил патшаларынан тәўирирек еди.
3. Ассирия патшасы Шалманасар Ҳошеаға қарсы саўаш ашты. Ҳошеа тәслим болып, оған салық төлей баслады.
4. Бирақ Ассирия патшасы Ҳошеаның сатқынлық еткенин билип қалды. Себеби Ҳошеа Мысыр патшасы Соға хабаршылар жиберген еди ҳәм Ассирия патшасына ҳәр жылы төлейтуғын салығын төлемей қойған еди. Сонлықтан Ассирия патшасы оны тутып алып, зинданға таслады.
5. Ассирия патшасы пүткил Израил жерлерине ҳүжим қылып, Самарияны үш жыл қамал етип турды.
6. Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Ассирия патшасы Самарияны қолға киргизип, Израил халқын Ассирияға сүргин етти. Оларды Халахқа, Гозан дәрьясы бойындағы Хаборға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды.
7. Булардың ҳәммеси израиллылардың өзлерин Мысыр патшасы фараонның қол астынан, Мысыр жеринен алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегени себепли жүз берди. Олар басқа қудайларға табына баслады.
8. Олар өзлериниң алдынан Жаратқан Ийе қуўып шығарған халықлардың дәстүрлери ҳәм Израил патшаларының шығарған дәстүрлери бойынша жасады.
9. Израиллылар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге унамайтуғын бул ислерди жасырын ислейтуғын еди. Олар аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекем ҳәмме жерде өзлери ушын сыйыныў орынларын қурды.
10. Ҳәр бир бийикликке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына кийели таслар ҳәм кийели ағашларын орнатты.
11. Олар Жаратқан Ийениң өзлериниң алдынан қуўып шығарған халықлары сыяқлы, барлық сыйыныў орынларында түтеткилер түтетти ҳәм ислеген жаман ислери менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди.
12. Жаратқан Ийениң өзлерине: «Булай ислемеңлер», – дегенине қарамастан, олар бутларға табынды.
13. Сонда Жаратқан Ийе Өзиниң барлық пайғамбарлары ҳәм ўәлийлери арқалы Израил ҳәм Яҳудаға былай деп ескертти: «Жаман жолыңыздан қайтыңлар. Ата-бабаларыңызға буйырған ҳәм қулларым болған пайғамбарларым арқалы сизлерге жиберген Нызамдағы барлық буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсыныңлар».
14. Бирақ олар қулақ салмай, Қудайы Жаратқан Ийеге исенбеген ата-бабаларына уқсап қайсарлық қылды.
15. Олар Оның қағыйдаларынан, ата-бабалары менен дүзген келисиминен ҳәм өзлерине берилген ескертиўлеринен жүз бурып, мәниссиз бутларға табынды ҳәм өзлери де мәниссиз өмир сүрди. Жаратқан Ийе: «Әтирапыңыздағы халықларға уқсап жасамаңлар», – деп буйырса да, олар сол халықлардың әдетлерине гөре жасай берди.
16. Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң барлық буйрықларынан жүз бурып, тананың еки мүсини менен кийели ағашын иследи ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, Баалға хызмет етти.
17. Улларын ҳәм қызларын отта қурбанлыққа берди, палкерлик етти ҳәм белгилерди жорыды. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеўге берилип кетип, Оның ғәзебин келтирди.
18. Сонлықтан Жаратқан Ийениң израиллыларға қатты ғәзеби келди ҳәм Яҳуда урыўынан басқасының ҳәммесин Өз дәргайынан қуўды.
19. Бирақ Яҳуда да Өз Қудайы Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, олар да израиллылар ислеген дәстүрлерди иследи.
20. Ақыбетте, Жаратқан Ийе пүткил Израил урпақларынан жүз бурып, оларды жазалады ҳәм басқыншылардың қолына тәслим етип, ҳәммесин Өз дәргайынан шығарып жиберди.
21. Бурын Жаратқан Ийе израиллыларды Даўыттың урпағының қолынан тартып алғаннан соң, израиллылар Набат улы Яробамды патша етип қойған еди. Яробам оларды Жаратқан Ийениң жолынан шығарып, уллы гүнаға баслады.
22. Израил урпақлары Яробам ислеген барлық гүналарға қосылды, бул гүналардан бас тартпады.
23. Ақырында, Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқаны сыяқлы, израиллыларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Олар өз жеринен Ассирияға сүргин етилди. Бүгин де олар сол жерде жасайды.
24. Ассирия патшасы Бабилон, Кута, Аўўа, Хамат ҳәм Сефарўайым қалаларынан адамларды көширип әкелип, израиллылардың орнына Самария жерине қонысландырды. Олар Самарияны ийелеп, оның қалаларында жасай баслады.
25. Олар сол жерде жасай баслаған ўақытлары Жаратқан Ийеге сыйынбады. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға арысланларды жиберди, арысланлар олардың айырымларын өлтире баслады.
26. Сонда Ассирия патшасына мынадай хабар жетти: «Сиз Самария қалаларына көширип әкелип қонысландырған халықлар сол жердиң қудайына қалай сыйыныўды билмейди. Халық үлке қудайының нызамларын билмегени ушын, үлке қудайы үлкеге арысланлар жиберип атыр, арысланлар да адамларды өлтирип атыр».
27. Ассирия патшасы: «Самариядан сүргин етип әкелинген руўханийлерден бирин изге қайтарың. Ол барып, сол жерде жасасын ҳәм оларға сол жердиң қудайының нызамларын үйретсин», – деп буйырды.
28. Самариядан сүргин етилген руўханийлерден бири келип, Бейт-Элде жасады ҳәм Жаратқан Ийеге қалай сыйыныўды оларға үйретти.
29. Деген менен, Самария қалаларына қоныс басқан ҳәр бир халық өз қудайларының мүсинлерин иследи. Оларды израиллылар Самарияда жасаған ўақтында қурған сыйыныў орынларына қойды.
30. Бабилоннан келгенлер Суккот-Бенот деген, Куттан келгенлер Нергал деген, Хаматтан келгенлер Ашима деген,
31. Аўўадан келгенлер Нибхаз ҳәм Тартақ деген бутларды иследи. Ал Сефарўайымнан келгенлер Сефарўайым қудайлары Адраммелех пенен Анаммелехке арнап улларын отта жандырды.
32. Бир тәрептен олар Жаратқан Ийеге сыйынса, екинши тәрептен сыйыныў орынларындағы бутханаларда хызмет етиў ушын, араларынан руўханийлер сайлап қойды.
33. Сол жерге көшип келген ҳәр бир халық Жаратқан Ийеге сыйыныў менен бирге, өз халықларының дәстүрлери бойынша өз қудайларына да табынды.
34. Ҳәзир де олар сол ески дәстүрлери бойынша жасап келеди. Олар Жаратқан Ийеден қорқпайды, Жаратқан Ийе Израил деп ат берген Яқыптың балаларына буйырған қағыйдаларға, пәрманларға, нызамларға ҳәм буйрықларға бойсынбайды.
35. Жаратқан Ийе Яқыптың урпағы менен келисим дүзип, оларға былай деп буйырған еди: «Басқа қудайлардан қорқып, оларға табынбаңлар ҳәм оларға хызмет етип, қурбанлық бермеңлер.
36. Тек уллы қүдирети менен қол созып, сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған сыйынып, қурбанлық бериңлер.
37. Сизлер ушын жазған қағыйдаларын, пәрманларын, нызамларын ҳәм буйрықларын бәрҳа муқыятлы түрде орынлаңлар ҳәм басқа қудайлардан қорқпаңлар.
38. Мениң сизлер менен дүзген келисимимди умытпаңлар, басқа қудайлардан қорқпаңлар.
39. Тек Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Ол сизлерди барлық душпанларыңыздың қолынан қутқарады».
40. Бирақ Самарияға қоныс басқан халықлар бул сөзлерге қулақ аспай, өзлериниң бурынғы әдетлери бойынша жасай берди.
41. Сол халықлар ҳәм Жаратқан Ийеге, ҳәм өзлери жондырып ислеткен мүсинлерге сыйынды. Олардың балалары да, балаларының балалары да өзлериниң ата-бабалары ислеген исти бүгинге дейин даўам етпекте.
1. Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының үшинши жылында, Ахаз улы Хизкия Яҳудаға патша болды.
2. Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия* болып, ол Зехарияның қызы еди.
3. Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
4. Ол сыйыныў орынларын жоқ қылды, кийели тасларды майдалап, кийели ағашын кесип таслады, Муўса ислеген мыс жыланды да бөлип, майдалады. Себеби израиллылар оны Нехуштан деп атап, сол күнге дейин оған арнап түтетки түтететуғын еди.
5. Патша Хизкия Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге үмит байлады. Оннан бурын да, оннан кейин де, Яҳуда патшалары арасында оған уқсағаны болмады.
6. Ол Жаратқан Ийеге садық болып, Оннан жүз бурмады ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларын орынлады.
7. Сонлықтан Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Хизкия не ислесе де, табысқа еристи. Ол Ассирия патшасына қарсы бас көтерип, оған бойсыныўдан бас тартты.
8. Ол Газа ҳәм оның әтирапына шекем, аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекемги ҳәмме жерлердеги филистлерди қырып таслады.
9. Хизкияның патшалығының төртинши жылында, Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының жетинши жылында, Ассирия патшасы Шалманасар Самарияға ҳүжим жасап, қаланы қамал етти.
10. Ол үш жылдан соң, Самарияны қолға киргизди. Солай етип, Хизкияның патшалығының алтыншы, Израил патшасы Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Самария басып алынды.
11. Ассирия патшасы израиллыларды Ассирияға сүргин етип, оларды Халахқа, Хабор дәрьясының бойындағы Гозанға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды.
12. Бул ўақыя израиллылардың Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспағаны, Оның келисимин бузғаны себепли жүз берди. Себеби израиллылар Қудайы Жаратқан Ийениң қулы Муўса арқалы берген буйрықларына бойсынбады. Оларды тыңламады да, орынламады да.
13. Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды.
14. Сонда Яҳуда патшасы Хизкия Лахиш қаласындағы Ассирия патшасына: «Мен айыплыман, мениң жеримнен кетсеңиз. Не талап етсеңиз де, төлеймен», – деп хабар жиберди. Сөйтип, Ассирия патшасы Яҳуда патшасы Хизкияға үш жүз талант гүмис ҳәм отыз талант алтын салық салды.
15. Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмистиң ҳәммесин оған берди.
16. Сондай-ақ Яҳуда патшасы Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасының есиклерин ҳәм жақлаўларын алтын менен қаплатқан еди. Ол өзи қаплатқан усы алтынларды қыршып алып, оларды да Ассирия патшасына берди.
17. Деген менен, Ассирия патшасы бас сәркәрдасын, әскерий ўәкилин ҳәм бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Олар Ерусалимге келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳаўызға суў қуйылатуғын жерде тоқтады.
18. Олар патшаны шақыртты. Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах ассириялыларға барды.
19. Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди: – Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит байлап турсаң?
20. Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге сүйенип, маған қарсы бас көтерип турсаң?
21. Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай.
22. Бәлким маған: Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит байлаймыз, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек Ерусалимде, мына қурбанлық орында сыйыныңлар, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?»
23. Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң?
24. Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба?
25. «Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет, – деди».
26. Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди: «Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспеңиз».
27. Бас ўәзир оларға: «Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди», – деди.
28. Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды: «Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
29. Патша былай дейди: „Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди мениң қолымнан қутқара алмайды.
30. Ол: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин“.
31. Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди.
32. Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары, зәйтүн майы ҳәм палы мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен. Сонда өлмей, тири қаласызлар. Хизкияның: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, – деп алдағанына қулақ салмаңлар.
33. Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған?
34. Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўаның қудайлары қайда? Самария қудайлары қайда? Олар Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма?
35. Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?“»
36. Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.
37. Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.
1. Патша Хизкия буларды еситкенде, кийимлерин жыртты ҳәм аза кийимлерин кийип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды.
2. Ол аза кийимин кийген сарай басқарыўшысы Элякимди, хаткер Шебнаны ҳәм жасы үлкен руўханийлерди Амос улы пайғамбар Ийшаяға жиберди.
3. Олар Ийшаяға былай деди: «Хизкия былай дейди: „Бүгинги күн азап, жаза ҳәм масқарашылық күни. Себеби бала шығайын деп аўызға тақалып турғаны менен, туўыўға күши жоқ ҳаялға уқсаймыз.
4. Бәлким, тири Қудайды хорлаў ушын мырзасы, Ассирия патшасы жиберген бас ўәзириниң барлық сөзлерин Қудайың Жаратқан Ийе еситкен шығар ҳәм усы еситкен сөзлери ушын оларды жазалар. Сонлықтан тири қалғанлар ушын дуўа ет“».
5. Патша Хизкияның хызметшилери патшаның сөзлерин Ийшаяға жеткизгенде,
6. Ийшая оларға былай деди: «Мырзаңызға былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ассирия патшасының хызметшилериниң Мени масқаралап айтқан сөзлеринен, яғный өзиң еситкен сөзлерден қорқпа.
7. Мине, Мен оған бир руўх жиберемен. Сонда ол бир хабар еситип, өз елине қайтып кетеди. Мен оны өз елинде қылыш пенен өлтиртемен“».
8. Ассирия патшасының бас ўәзири изине қайтып, өз патшасын Либна қаласына қарсы урысып атырған жеринен тапты. Себеби ол Ассирия патшасының Лахиштен шегингенин еситкен еди.
9. Ассирия патшасы Куш патшасы Тирҳақаның өзине қарсы урысқа атланғанын еситип, Хизкияға және елшилерин жиберип былай деди:
10. «Яҳуда патшасы Хизкияға былай деп айтыңлар: „Сүйенген Қудайың сени: „Ерусалим Ассирия патшасына тәслим болмайды“, – деп алдамасын.
11. Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң?! Енди сен қутылып қалмақшымысаң?
12. Ата-бабаларым ўайран еткен Гозан, Харан, Ресеф ҳәм Телассардағы Эденде жасаған халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма?
13. Хамат ҳәм Арпад патшалары қәне? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўа қалаларының патшалары қәне?“»
14. Хизкия хатты елшилердиң қолынан алып оқығаннан соң, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды ҳәм хатты Жаратқан Ийениң алдына жайып қойды.
15. Кейин Жаратқан Ийениң алдында дуўа етип, былай деди: «Керублар ортасындағы тахтта отырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен пүткил дүнья патшалықларының жалғыз Қудайысаң! Аспан ҳәм жерди Сен жаратқансаң.
16. Жаратқан Ийе, қулақ салып, есит, көзлериңди ашып, көр. Тири Қудайды масқаралаў ушын Санхерибтиң айтып жиберген сөзлерин есит.
17. Жаратқан Ийе, ырасында да, Ассирия патшалары халықларды ҳәм олардың жерлерин ўайранлады.
18. Олардың қудайларын отқа таслап, жоқ қылды. Бирақ олар ҳақыйқатында қудайлар емес, ал ағаштан ҳәм тастан адам қолы менен исленген нәрселер еди.
19. Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерди Санхерибтиң қолынан қутқара гөр. Сонда пүткил дүнья патшалықлары Сениң жалғыз Қудай екениңди биледи».
20. Соңынан Амос улы Ийшая пайғамбар Хизкияға мынадай хабар жиберди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ассирия патшасы Санхериб ҳаққында Маған еткен дуўаңды еситтим.
21. Ол туўралы Мен, Жаратқан Ийе былай деймен: Пәк қыз Сион сени кемситип, үстиңнен күлер, Ерусалим қыз мазақлап, изиңнен бас шайқар.
22. Сен кимди хорлап, кимди мазақладың? Кимге даўыс көтерип сөйлеп, кимге менменсип қарадың? Маған – Израилдың Мухаддесине!
23. Елшилериң арқалы Мени хорлап былай дедиң: „Сансыз саўаш арбаларым менен таўлардың бийик шыңына, Лебанон таўларының узақ жанбаўырларына шықтым, Бийик кедр ағашларын, жақсы сәрўи ағашларын кестим. Оның ең төрине, ең қалың тоғайына бардым.
24. Мен қудықлар қаздым ҳәм жат еллердиң суўларын иштим, Мысырдың барлық дәрьяларын табаным менен қурыттым“.
25. Бирақ буның ҳәммесин бурыннан жобаластырып, әййемги күнлерден ойлап қойғанымды еситпеген бе едиң? Ҳәзир Мен соны орынладым. Сонлықтан сен қорғанлы қалаларды қарабақанаға айландыра алдың.
26. Сонда қол-қанаты қырқылды қала халқының, Қорқып, уятқа қалды. Олар даладағы көк шөпке, жаңа шыққан нәзик шөпке ҳәм тамның басындағы, шықпай атырып өрт шалған шөпке уқсап қалды.
27. Мен сениң отырыс-турысыңды, қашан келип-кететуғыныңды, Маған деген ғәзебиңди, ҳәммесин билемен.
28. Маған деген ғәзебиң ушын ҳәм тәкаббирлигиң қулағыма жетип келгени ушын, Ҳалқамды мурныңнан өткизип, суўлығымды аўзыңа тағаман. Сени келген жолың менен изиңе қайтараман.
29. Ҳәй, Хизкия! Сен ушын белги мынаў болады: Усы жылы шашылған дәннен өскен өнимди жейсиз, Келеси жылы соның орнына өскен өнимди азық қыласыз, Ал үшинши жылы дән сеўип, өним аласыз, жүзим бағларын отырғызып, олардың мийўесинен жейсиз.
30. Яҳуда халқының қутылып қалғанлары жерге тамыр жайып, жоқарыда мийўе береди.
31. Себеби тири қалғанлар Ерусалимнен, қутылғанлар Сион таўынан келип шығады. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз қызғаншақлығы менен жүзеге асырады.
32. Сонлықтан Жаратқан Ийе Ассирия патшасы туўралы былай дейди: Ол бул қалаға кирмейди, оқ та атпайды, Қалаға жақынламас қалқаны менен, Қалаға қарсы топырақ та үйдирмейди.
33. Келген жолы менен қайтады, қалаға кирмейди. Бул – Жаратқан Ийениң айтқаны!
34. Мен Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғап, қутқараман».
35. Сол күни түнде Жаратқан Ийениң периштеси ассириялылардың ордасына барып, бир жүз сексен бес мың адамды қырып таслады. Азанда оянып қарағанлар ҳәмме жердиң өликлерге толып кеткенин көрди.
36. Сонда Ассирия патшасы Санхериб орданы таслап, изине қайтты. Ол Ниневияға қайтып келип, сол жерде жасап қалды.
37. Бир күни ол өз қудайы Нисрохтың бутханасында табынып атырғанда, уллары Адраммелех пенен Саресер оны қылыш пенен өлтирди ҳәм өзлери Арарат үлкесине қашып кетти. Санхерибтиң орнына улы Эсар-Хаддон патша болды.
1. Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең“».
2. Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип:
3. «О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр!» – деди ҳәм өксип-өксип жылады.
4. Ийшая еле сарайдың ортанғы ҳәўлисинен шығып кетпей атырып, оған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5. «Изиңе қайтып, Мениң халқымның ҳүкимдары Хизкияға мына хабарды жеткиз: „Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Мине, Мен сени шыпалайман. Сен үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барасаң.
6. Өмириңди он бес жылға узайтаман. Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқараман. Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғайман“».
7. Ийшая патшаның адамларына: «Кептирип нығызланған әнжир алып келиңлер», – деди. Оны әкелип, жараға қойғанда, ол саўалып кетти.
8. Хизкия Ийшаядан: – Жаратқан Ийениң мени саўалтатуғынын ҳәм үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына баратуғынымды қандай белги арқалы билемен? – деп сорады.
9. Ийшая оған: – Жаратқан Ийениң Өз сөзин орынлайтуғынын билдиретуғын белги мынаў: текшеге түсип турған сая он адым алдыға жылжысын ба ямаса он адым артқа жылжысын ба? – деди.
10. Хизкия Ийшаяға: – Саяның алдыға он адым жылжыўы аңсат. Сая он адым артқа жылжысын, – деди.
11. Ийшая пайғамбар Жаратқан Ийеге жалбарынды. Сонда Жаратқан Ийе патша Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытты.
12. Сол арада Хизкияның аўырып қалғанын еситкен Бабилон патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди.
13. Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.
14. Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған: – Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған: – Олар узақ елден, Бабилоннан келген, – деп жуўап берди.
15. Ийшая: – Олар сарайыңызда не көрди? – деп сорады. Хизкия: – Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди.
16. Сонда Ийшая Хизкияға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин еситиң:
17. «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды.
18. Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилон патшасының сарайында хызметши болады“».
19. Хизкия Ийшаяға: – Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.
20. Хизкияның басқа ислери, барлық қаҳарманлықлары, ол қурғызған ҳаўыз, суў өткеллери ҳәм қалаға қалай суў апарғанлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
21. Хизкия өлип, ата- бабаларына қосылды. Оның орнына улы Менашше патша болды.
1. Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хефсиба еди.
2. Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықларының жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3. Әкеси Хизкия жоқ қылған сыйыныў орынларын қайта тикледи. Израил патшасы Ахабқа уқсап, Баалға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4. Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Мен Ерусалимде Өз атымды орнатаман», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6. Ол өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7. Менашше өзи ислеткен Ашера бутын Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қойды. Жаратқан Ийе Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8. Егер олар Мениң буйрықларыма ҳәм қулым Муўса буйырған барлық Нызамларды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына берген жерден қуўып шығармайман», – деген еди+.
9. Бирақ халық қулақ аспады. Менашшениң халықты жолдан азғырғаны соншелли, Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10. Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы былай деди:
11. «Яҳуда патшасы Менашше өзинен бурын сол жерде жасаған амор халқынан да жаманырақ жеркенишли ислерди ислегени, өз бутлары менен яҳудалыларды гүнаға баслағаны ушын,
12. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Яҳуда елиниң ҳәм оның бас қаласы Ерусалимниң басына еситкен адамның жүрегин суўлалатуғын бир апатшылық жаўдыраман.
13. Самарияға қолланған өлшеў жибин ҳәм Ахабтың үй- ишине қолланған өлшемди Ерусалимге де қолланаман. Табақты сыпырып, төңкерип қойғаны сыяқлы, Ерусалимди де солай сыпырып тазалайман.
14. Халқымның қалғанларынан жүз бураман, оларды душпанларының қолына тапсыраман. Душпанлары оларды тонап, талан-тараж етеди.
15. Себеби олар Мениң нәзеримде жаман ислерди иследи ҳәм ата-бабалары Мысырдан шыққан күннен усы күнге дейин Мениң ғәзебимди келтирди“».
16. Менашше Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, яҳудалыларға ислеткен гүнасына қоса, жүдә көп айыпсыз қан төгип, Ерусалимди басынан аяғына шекем қанға батырды.
17. Менашшениң басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм ол ислеген гүналар ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
18. Менашше өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм сарайдың Узза деп аталатуғын бағына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
19. Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. Анасының аты Мешуллемет болып, ол иотбалы Харустың қызы еди.
20. Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
22. Ол әкесиниң жолынан жүрди, әкеси табынған бутларға хызмет етип, оларға табынды.
23. Амон ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етти, Оның жолынан жүрмеди.
24. Патша Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
25. Бирақ үлке халқы Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
26. Амон ислеген басқа ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
27. Амон Узза бағындағы өз қәбирине жерленди. Оның орнына улы Иошия патша болды.
1. Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Едида болып, ол босқатлы Адаяның қызы еди.
2. Иошия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Ол оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
3. Патша Иошия өз патшалығының он сегизинши жылында, Мешулламның ақлығы Асалияның улы хаткер Шафанды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жиберип, оған былай деди:
4. «Бас руўханий Хилкияға бар. Ол босағадағы қадағалаўшы руўханийлер халықтан жыйнап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келген гүмислерди есаплап шықсын.
5. Кейин оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берсин. Олар буны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бузылған жерлерин дүзетиўшилерге,
6. усталарға, қурылысшыларға, тас қалаўшыларға төлесин ҳәм Ибадатхананы дүзетиўге керекли болған ағашларды ҳәм жонылған тасларды сатып алыўға жумсасын.
7. Деген менен, оларға берилген гүмистиң есабы талап етилмесин, өйткени олар ҳадал ислейди».
8. Бас руўханий Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди. Шафан китапты оқыды.
9. Соңынан хаткер Шафан патшаға: «Қулларыңыз Ибадатханадан табылған гүмислерди алып, оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди алып барыўшыларға тапсырды», – деген хабар алып келди.
10. Соңынан ол: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға оқып берди.
11. Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты.
12. Ол руўханий Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Михая улы Ахборға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:
13. «Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын, халық ушын ҳәм пүткил Яҳуда ушын Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Ата-бабаларымыздың бул китаптың сөзлерине қулақ аспағаны ҳәм онда бизлер ушын жазылған бул сөзлерге сай жасамағаны себепли, Жаратқан Ийениң бизлерге қарсы лаўлаған ғәзеби уллы».
14. Руўханий Хилкия, Ахиқам, Ахбор, Шафан ҳәм Асая барып, Хархастың ақлығы Тиқўаның улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди.
15. Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар деп атыр:
16. Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының оқыған китабында жазылғанындай, бул жерге де, бул жерде жасайтуғын халықтың басына да апатшылық жаўдыраман.
17. Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге қарсы ғәзебим лаўлады ҳәм ол сөнбейди.
18. Жаратқан Ийеден сораў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: сен еситкен сөзлер туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
19. Бул жер ҳәм бул жерде жасайтуғынлардың ўайран етилиўге ҳәм нәлетке ҳүким етилгени ҳаққында Мениң сөзлеримди еситкенде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим.
20. Сонлықтан Мен сени ата- бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“». Олар бул хабарды патшаға жеткизди.
1. Патша Иошия адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын өз жанына топлады.
2. Соңынан ол пүткил Яҳуда менен пүткил Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, пайғамбарларды, үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин оларға даўыслап оқып берди.
3. Кейин патша сүтинниң жанындағы арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, бул китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. Пүткил халық та келисимге қосылды.
4. Соннан соң, патша бас руўханий Хилкияға, екинши дәрежели руўханийлерге ҳәм босағадағы қадағалаўшы руўханийлерге Баалға, Ашераға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап исленген ҳәмме нәрселерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шығыўды буйырды. Оларды Ерусалимниң сыртындағы Кидрон ойпатлығында өртетип, күлин Бейт- Элге апарғызды.
5. Патша Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим әтирапындағы сыйыныў орынларында түтетки түтетиў ушын Яҳуда патшалары тәрепинен тайынланған бутқа хызмет етиўши руўханийлерди, Баалға, қуяшқа, айға, жулдызларға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап түтетки түтеткенлерди жоқ қылды.
6. Кийели ағашын Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Ерусалимниң сыртына, Кидрон сайына шығарды. Оны сол жерде жағып, күл-талқан етти ҳәм күлин улыўма халықлық қәбирлердиң үстине шашты.
7. Бузықшылық ислеўши еркеклердиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы үйлерин бузып таслады. Ол жерде ҳаяллар Ашера бутына арнап, кийимлер тоқыйтуғын еди.
8. Иошия Яҳуда қалаларындағы Жаратқан Ийениң ҳәмме руўханийлерин жыйнап, Ерусалимге алып келди. Кейин Гебадан Беер-Шебаға шекемги руўханийлер түтетки түтетип, сыйынатуғын орынларды ҳарамлады. Қала ҳәкими болған Ешуаның дәрўазасына кирер аўыздағы сыйыныў орынларын да жоқ қылды. Бул дәрўаза қала дәрўазасының шеп тәрепинде еди.
9. Сыйыныў орынларының руўханийлери Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында қурбанлық бере алмаса да, олар өз кәсиплеслери болған руўханийлер менен ашытқысыз нан жейтуғын еди.
10. Иошия ҳеш кимниң қудай Молохқа арнап өз улын яки қызын отта жандырмаўы ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетти де ҳарамлап, жарамсыз аўҳалға келтирди.
11. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер алдына, сарай хызметшиси Натан-Мелехтиң бөлмесиниң қасына Яҳуданың бурынғы патшаларының қуяшқа арнап қойдырған атларының мүсинлерин алып таслап, олардың арбаларын отта жандырды.
12. Иошия Ахаздың жоқарыдағы бөлмесиниң тамбасындағы Яҳуданың бурынғы патшалары қурдырған қурбанлық орынларын да, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисиндеги Менашшениң қурдырған қурбанлық орынларын да буздырды. Оларды майдалап езип, Кидрон сайына шашып жиберди.
13. Және ол Ерусалимниң шығысына, Зәйтүн таўының қубласына Израил патшасы Сулайманның сидонлылардың жеркенишли буты Аштарта, моаблылардың жеркенишли буты Кемош ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға арнап қурдырған сыйыныў орынларын ҳарамлады.
14. Иошия кийели тасларды күл-талқан етип, кийели ағашларын кесип таслады ҳәм олардың орынларын адам сүйегине толтырды.
15. Буннан тысқары, Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробам қурдырған Бейт-Элдеги сыйыныў орнын ҳәм қурбанлық орнын жоқ қылды. Ол сыйыныў орнын жағып жиберип, күлин көкке суўырды, кийели ағашын да жағып жиберди.
16. Иошия айналасына қарап, таў үстиндеги қәбирлерди көрди. Ол адамларын жиберип, қәбирдеги сүйеклерди алдыртты ҳәм оларды қурбанлық орынның үстинде жағып жиберип, қурбанлық орынды ҳарамлады. Бул Жаратқан Ийениң Қудайдың адамы арқалы алдын ала айтқан сөзлери бойынша болды.
17. Иошия: – Ана жердеги қулпы тас кимдики? – деп сорады. Қала турғынлары оған: – Яҳудадан келген Қудайдың адамының қәбири. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында ҳәзир сиз ислеген ислер туўралы алдын ала жәриялаған еди, – деп жуўап берди.
18. Сонда патша: – Оған тиймеңлер, ҳеш ким оның сүйеклериниң тынышын алмасын, – деди. Солай етип, оның сүйеклерине де, Самариядан келген пайғамбардың сүйеклерине де ҳеш ким тиймеди.
19. Израил патшалары Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирип, Самария қалаларындағы сыйыныў орынларына бутханалар қурдырған еди. Иошия Бейт-Элде ислегенлерин бул жерде де ислеп, бул бутханаларды да қыйратып таслады.
20. Ол сол жердеги сыйыныў орынларының руўханийлерин қурбанлық орын үстинде баўызлап, сол жерде адам сүйеклерин жандырды ҳәм соңынан Ерусалимге қайтып келди.
21. Патша Иошия пүткил халыққа: «Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын мына Келисим китабында жазылғаны бойынша байрамлаңлар», – деп буйрық берди.
22. Себеби Израилда бийлер басқарған дәўирден баслап, Израил ҳәм Яҳуда патшалары басқарған дәўир бойы Қутқарылыў байрамы усылай байрамланбаған еди.
23. Жаратқан Ийеге арналған бул Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында, Ерусалимде болып өтти.
24. Буннан басқа, Иошия руўханий Хилкияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан тапқан китабында жазылған нызам сөзлерин орынлаў ушын, Ерусалимде ҳәм Яҳуда жеринде пайда болған барлық жеркенишли ислерди: әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшыларды, үй қудайларының мүсинлерин ҳәм бутларды жоқ қылды.
25. Иошиядан алдын да, оннан кейин де оған уқсап Муўсаның ҳәмме Нызамларына бойсынып, пүткил жан-тәни ҳәм бар күши менен Жаратқан Ийеге жүз бурған патша болмады.
26. Бирақ Менашше өз ислери арқалы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын, Ол Өзиниң Яҳудаға қарсы лаўлаған ғәзебинен ўаз кешпеди.
27. Жаратқан Ийе былай деди: «Израилды дәргайымнан қалай қуўып шығарған болсам, Яҳуданы да солай қуўып шығараман. Таңлап алған қалам Ерусалимнен ҳәм „атым сол жерде болады“ деген Ибадатханадан жүз бураман».
28. Иошияның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
29. Иошияның ҳүкимдарлығы ўақтында, Мысыр фараоны Нехо Ассирия патшасына жәрдем бериў ушын, Евфрат дәрьясына қарай жолға шықты. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды ҳәм олар Мегиддода дусласқанда Нехо Иошияны өлтирди.
30. Хызметшилери Иошияның денесин арбаға салып, Мегиддодан Ерусалимге алып келди ҳәм өз қәбирине жерледи. Үлке халқы Иошияның улы Еҳоахазды майлап, әкесиниң орнына патша етип қойды.
31. Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
32. Еҳоахаз ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
33. Еҳоахаздың Ерусалимде патшалық етпеўи ушын, фараон Нехо оны Хамат үлкесинде, Риблада тутқынға алды ҳәм үлке халқына жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
34. Фараон Нехо Иошияның улы Элякимди әкесиниң орнына патша етип қойды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды Мысырға алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды.
35. Еҳояким фараон талап еткен гүмис ҳәм алтынды берди. Буның ушын ол үлке халқына ҳәр бириниң мал-мүлкине сай салық салып, халықтан гүмис ҳәм алтын өндирип алды.
36. Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Зебуда болып, ол румалы Педаяның қызы еди.
37. Еҳояким ата-бабалары сыяқлы, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
1. Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығы дәўиринде Бабилон патшасы Набуходоносор Яҳудаға ҳүжим жасады. Еҳояким үш жыл оған бағынышлы болып, соңынан оған қарсы бас көтерди.
2. Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яҳуданы жоқ етиў ушын Бабилония, Арам, Моаб ҳәм Аммон еллериниң басқыншы топарларын Яҳудаға жиберди.
3. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳуданың басына түсти. Менашше ислеген барлық гүналар себепли, Жаратқан Ийе оны Өз дәргайынан қуўып шығармақшы болды.
4. Себеби Жаратқан Ийе Менашшениң айыпсыз қан төгип, Ерусалимди айыпсызлардың қанына толтырғанын кешириўди қәлемеди.
5. Еҳоякимниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
6. Еҳояким өлип, ата- бабаларына қосылды, орнына улы Еҳоякин патша болды.
7. Мысыр патшасы енди өз жеринен сыртқа шықпады. Себеби Бабилон патшасы Мысыр шегарасындағы сайдан Евфрат дәрьясына шекемги Мысыр патшасына тийисли барлық жерлерди басып алған еди.
8. Еҳоякин он сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасы ерусалимли Элнатанның қызы Нехушта еди.
9. Еҳоякин де әкеси сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
10. Сол ўақытлары Бабилон патшасы Набуходоносордың әскерлери Ерусалимге қарсы жүрис қылып, қаланы қамал қылды.
11. Әскерлери қаланы қамал қылғанда, Бабилон патшасы Набуходоносордың өзи де қалаға келди.
12. Сонда Яҳуда патшасы Еҳоякин анасы, ўәзирлери, басшылары ҳәм сарай хызметшилери менен бирге Бабилон патшасына тәслим болды. Бабилон патшасы өз патшалығының сегизинши жылында, Еҳоякинди тутқынға алды.
13. Жаратқан Ийениң алдын ала айтқан сөзи бойынша, Набуходоносор Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Израил патшасы Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен алтын буйымларының ҳәммесин сындырды.
14. Ол және пүткил Ерусалим турғынларын: басшылардың, мәрт жаўынгерлердиң, усталардың ҳәм темиршилердиң барлығын, улыўма он мың адамды сүргин етип алып кетти. Үлкеде жарлы халықтан басқа ҳеш ким қалмады.
15. Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякинди Бабилонға сүргин етти. Оның анасын, ҳаялларын, сарай хызметшилерин ҳәм үлкениң елбасшыларын да Ерусалимнен Бабилонға сүргин етти.
16. Буннан тысқары Бабилон патшасы жети мың сайланды әскерди, мың уста ҳәм темиршини Бабилонға сүргин етти. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы ҳәм мәрт жаўынгерлер еди.
17. Бабилон патшасы Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Маттанияны патша етип қойды ҳәм атын Седекия деп өзгертти.
18. Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
19. Еҳоякимге уқсап, Седекия да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
20. Жаратқан Ийениң Ерусалим менен Яҳудаға ғәзеби келгени соншелли, оларды Ол Өз дәргайынан шығарып таслады. Седекия Бабилон патшасына қарсы бас көтерди.
1. Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилон патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың дөгерегине топырақ үйди.
2. Қала Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин қамалда болды.
3. Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, халықта бир тислем нан да қалмады.
4. Сол ўақытта қала дийўалының бир жери бузылды. Бабилония әскерлериниң қаланы қамал қылып турғанына қарамастан, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5. Бирақ Бабилония әскерлери патшаны қуўып кетип, Ерихо тегислигинде оған жетип алды. Ҳәмме әскерлер патша Седекияны таслап, қашып кетти.
6. Патшаны тутқынға алып, оны Риблаға, Бабилон патшасына апарды ҳәм сол жерде оған ҳүким шығарылды.
7. Бабилонлылар Седекияның көз алдында улларын баўызлады, ал өзиниң көзлерин ойып алды. Соңынан кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
8. Бабилон патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының жетинши күни Бабилон патшасының хызметшиси, сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди.
9. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги ҳәмме үйлерге от берип, барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберди.
10. Сақшылар басшысы менен бирге келген Бабилония әскерлери Ерусалим дөгерегиндеги дийўалларды қулатып таслады.
11. Сақшылардың басшысы Набузарадан қалада қалғанларды, Бабилон патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм басқа әпиўайы халықты сүргин етти.
12. Набузарадан жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын үлкедеги жарлы халықтың бир қаншасын таслап кетти.
13. Бабилонлылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳаўызды бөлеклеп, қоланы Бабилонияға алып кетти.
14. Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, пилик кескишлерди, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм қоладан исленген ҳәмме нәрселерди алып кетти.
15. Сақшылар басшысы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, шоқ салынатуғын ыдысларды ҳәм қан себетуғын табақларды алып кетти.
16. Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын Сулайман ислеткен еки өре, ҳаўыз ҳәм түбелдириклер ушын кеткен қоланың есабы жоқ еди.
17. Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ болып, үстинде қоладан исленген төбелик бар еди. Ҳәр бир төбеликтиң бийиклиги үш шығанақ болып, олар айландырып қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди.
18. Сақшылар басшысы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы үш қадағалаўшы руўханийди тутқынға алды.
19. Және де, ол Ерусалимде қалған әскерлердиң әскербасысын, патшаның бес ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм үлке халқының алпысын тутқынға алды.
20. Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилон патшасына алып барды.
21. Бабилон патшасы Хамат жеринде, Риблада оларды өлтиртти. Солай етип, Яҳуда халқы өз үлкесинен сүргин етилди.
22. Бабилон патшасы Набуходоносор Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны Яҳудада қалған халық үстинен ҳәким етип тайынлады.
23. Ҳәмме әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилон патшасының Гедалияны ҳәким етип қойғанын еситкенде, Миспа қаласына, Гедалияның жанына келди. Келгенлер Нетания улы Исмайыл, Қареах улы Юханан, нетофалы Танхумет улы Серая, маахалының улы Язания ҳәм олардың адамлары еди.
24. Гедалия оларға ҳәм олардың адамларына ант ишип: «Бабилонлы хызметкерлердиң қол астында болыўдан қорқпаңлар. Үлкеге орналасып, Бабилон патшасына хызмет етиңлер. Сонда сизлер ушын жақсы болады», – деди.
25. Бирақ усы жылдың жетинши айында патша нәсилинен болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспаға барып, Гедалияны өлтирди. Олар Миспада Гедалияның жанында болған Яҳуда халқын да калдейлилер менен бирге қылыштан өткерди.
26. Сонда үлкенинен кишкенесине дейин пүткил халық калдейлилерден қорққанынан әскербасылар менен бирге Мысырға қашты.
27. Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Эўил-Меродах Бабилонға патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни* Яҳуда патшасы Еҳоякинди зинданнан шығарды.
28. Патша оған жақсы қатнаста болды ҳәм оған Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан жоқарырақ болған мәртебе берди.
29. Солай етип, Еҳоякин зиндандағы кийимлерин шешип, таза кийимлер кийди ҳәм өмириниң ақырына шекем патша дастурханынан аўқат жеди.
30. Және де, өмириниң ақырына шекем оған күнделикли керек- жарағы патша тәрепинен берилди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.