Мухаддес Китап

1 Жылнама

1. Адам, Шет, Энош,
2. Кенан, Маҳалалел, Еред,
3. Ханох, Метушелах, Ламех ҳәм
4. Нух. Нухтың уллары: Сам, Хам ҳәм Яфет.
5. Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
6. Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
7. Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Роданим.
8. Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Кенаан.
9. Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха. Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
10. Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
11. Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух,
12. патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
13. Кенааннан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды.
14. Сондай-ақ, ебус, амор, гиргаш,
15. хиў, арқ, син,
16. арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Кенааннан келип шықты.
17. Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд, Арам, Ус, Хул, Гетер ҳәм Мешех.
18. Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
19. Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.
20. Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах,
21. Ҳадорам, Узал, Дикла,
22. Эбал, Абимаел, Шеба,
23. Офир, Хаўила, Иобаб туўылды. Булардың ҳәммеси Иоқтанның урпақлары еди.
24. Сам, Арпахшад, Шелах,
25. Эбер, Пелег, Реу,
26. Серуг, Нахор, Терах,
27. Ибрам, яғный Ибрайым.
28. Ибрайымның уллары: Ысақ ҳәм Исмайыл.
29. Олардың шежиреси мынадай: Исмайылдың туңғыш улы Небайот. Оннан кейин, Кедар, Адбеел, Мибсам,
30. Мишма, Дума, Масса, Хадад, Тема,
31. Етур, Нафиш, Кедма. Булар Исмайылдың уллары еди.
32. Ибрайымның тоқалы Қатурадан туўылған уллары мыналар: Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах. Иоқшанның уллары: Шеба ҳәм Дедан.
33. Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Ибрайымның Қатурадан туўылған урпақлары еди.
34. Ысақ Ибрайымның улы еди. Ысақтың уллары: Эсаў ҳәм Израил.
35. Эсаўдың уллары: Элифаз, Реуел, Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
36. Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам, Кеназ ҳәм Тимнадан туўылған Амалек.
37. Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза.
38. Сеирдиң уллары: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, Дишон, Эсер ҳәм Дишан.
39. Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳомам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
40. Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефий ҳәм Онам. Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана.
41. Ананың улы: Дишон. Дишонның уллары: Хамран, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
42. Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Яақан. Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
43. Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти: Беор улы Бела. Оның қаласының аты Динҳаба еди.
44. Бела өлгеннен кейин, орнына Босра қаласынан болған Зерах улы Иобаб патша болды.
45. Иобаб өлгеннен кейин, теманлылардың жеринен келген Хушам патша болды
46. Хушам өлгеннен кейин, Моаб жеринде мидянлыларды қыйратқан Бедад улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
47. Ҳадад өлгеннен кейин, орнына масреқалы Самла патша болды.
48. Самла өлгеннен соң, орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
49. Шаул өлгеннен соң, орнына Ахбор улы Баал-Ханан патша болды.
50. Баал-Ханан өлгеннен соң, орнына Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Пау еди. Ҳададтың ҳаялы Меҳетабел Мезаҳабтың ақлығы Матредтиң қызы еди.
51. Соңынан Ҳадад та өлди. Эдом бийлери мыналар: Тимна, Алўа, Етет,
52. Оҳолибама, Эла, Пинон,
53. Кеназ, Теман, Мибсар,
54. Магдиел ҳәм Ирам. Эдом бийлери усылар еди.
1. Израилдың уллары мыналар: Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Зебулон,
2. Дан, Юсуп, Бенямин, Нафталий, Гад ҳәм Ашер.
3. Яҳуданың уллары: Эр, Онан ҳәм Шела. Яҳудаға бул үш улды кенаанлы Шуаның қызы туўып берди. Яҳуданың туңғыш улы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислегени ушын, Жаратқан Ийе оны өлтирди.
4. Яҳуданың келини Тамара да оған Перес пенен Зерахты туўып берди. Яҳуданың барлығы болып бес улы болды.
5. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
6. Зерахтың уллары: Зимрий, Этан, Ҳеман, Калкол ҳәм Дара. Олар барлығы болып бесеў еди.
7. Кармийдиң улы: бағышланған нәрселерге қыянет ислеп, Израилға апат әкелген Ахар.
8. Этанның улы: Азария.
9. Хесронның уллары: Ерахмеел, Рам ҳәм Келубай.
10. Рамнан Амминадаб, Амминадабтан Яҳуда урыўының көсеми Нахшон туўылды.
11. Нахшоннан Салма, Салмадан Боаз,
12. Боаздан Обид, Обидтен Ишай туўылды.
13. Ишайдың жети улы болды: туңғышы Элиаб, екиншиси Абинадаб, үшиншиси Шимеа,
14. төртиншиси Нетанел, бесиншиси Раддай,
15. алтыншысы Осем, жетиншиси Даўыт.
16. Олардың Серуя ҳәм Абигайыл деген қарындасы болды. Серуяның үш улы бар еди: Абишай, Иоаб ҳәм Асаҳел/
17. Исмайыл урпағынан болған Етерге турмысқа шыққан Абигайыл Амасаны туўды.
18. Хесронның улы Калебтиң Азуба ҳәм Ериот деген ҳаяллары болды. Оның Азубадан туўылған уллары: Ешер, Шобаб ҳәм Ардон.
19. Азуба өлгеннен кейин, Калеб Эфратаға үйленди. Эфрата оған Хурды туўып берди.
20. Хурдан Урий туўылды. Урийден Бесалел туўылды.
21. Буннан соң, Хесрон Гиладтың әкеси Махир деген адамның қызы менен жатты ҳәм алпыс жасында үйленген бул ҳаялы оған Сегубты туўып берди/
22. Яир Сегубтың улы еди. Яирдиң Гилад жеринде жигирма үш қаласы бар еди/
23. Бирақ Гешур менен Арам Яирге тийисли қалаларды, сондай-ақ, Кенатты ҳәм оның айланасындағы алпыс қаланы басып алды. Бул жерлерде жасап атырған барлық халық Гиладтың әкеси Махирдиң урпағынан еди.
24. Хесрон Калеб-Эфратада қайтыс болғаннан соң, ҳаялы Абия Ашхурды туўды. Ашхур Теқоаның әкеси еди.
25. Хесронның туңғыш улы Ерахмеелдиң уллары: туңғыш улы Рам, кейин Буна, Орен, Осем ҳәм Ахия.
26. Ерахмеелдиң Атара деген басқа бир ҳаялы болып, ол Онамның анасы еди.
27. Ерахмеелдиң туңғыш улы Рамның уллары: Маас, Ямин ҳәм Экер.
28. Онамның уллары: Шаммай, Яда. Шаммайдың уллары: Надаб, Абишур.
29. Абишурдың Абиҳайыл деген ҳаялы болып, усы ҳаялы оған Ахбан менен Молидти туўып берди.
30. Надабтың уллары: Селед ҳәм Аппайым. Селед бийперзент дүньядан өтти.
31. Аппайымның улы: Иший. Ишийдиң улы: Шешан. Шешанның улы: Ахлай.
32. Шаммайдың туўысқаны Яданың уллары: Етер ҳәм Ионатан. Етер бийперзент дүньядан өтти.
33. Ионатанның уллары: Пелет ҳәм Заза. Булар Ерахмеелдиң урпақлары еди.
34. Шешанның улы болмай, тек қызлары бар еди. Шешанның Ярха деген мысырлы бир қулы бар еди.
35. Шешан қызын қулы Ярхаға ҳаяллыққа берди. Ҳаялы оған Аттайды туўып берди.
36. Аттайдан Натан туўылды. Натаннан Забад,
37. Забадтан Эфлал, Эфлалдан Обид,
38. Обидтен Еҳу, Еҳудан Азария,
39. Азариядан Хелес, Хелестен Эласа,
40. Эласадан Сисмай, Сисмайдан Шаллум,
41. Шаллумнан Еқамия, Еқамиядан Элишама туўылды.
42. Ерахмеелдиң иниси Калебтиң уллары: туңғыш улы Зифтиң әкеси Меша ҳәм екиншиси Хебронның әкеси Мареша болды.
43. Хебронның уллары: Қорах, Таппуах, Рекем ҳәм Шема.
44. Шемадан Рахам, Рахамнан Иорқоам туўылды. Шеманың әжағасы Рекемнен Шаммай туўылды.
45. Шаммайдан Маон, Маоннан Бейт-Сур туўылды.
46. Калебтиң тоқалы Эфа оған Харан, Моса ҳәм Газезди туўып берди. Харанның улының аты да Газез еди.
47. Яҳадайдың уллары: Регем, Иотам, Гешан, Пелет, Эфа ҳәм Шааф.
48. Калебтиң Мааха атлы басқа тоқалы оған Шебер менен Тирхананы туўып берди.
49. Мааха Мадманнаның әкеси Шаафты ҳәм Махбена менен Гибаның әкеси Шеўаны да туўды. Калебтиң Ахса деген бир қызы болды.
50. Булардың ҳәммеси Калебтиң урпақлары еди. Калебтиң ҳаялы Эфратадан туўылған туңғыш улы Хурдың уллары: Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобал,
51. Бейтлеҳемниң тийкарын салған Салма, Бейт-Гадердиң тийкарын салған Хареф.
52. Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобалдан Ҳарое тийреси, Менухотта жасайтуғын халықтың ярымы ҳәм.
53. Кирят-Яримде мәкан басқан итер, пут, шумат, мишра тийрелери пайда болды. Бул тийрелерден Сора менен Эштаол турғынлары келип шықты.
54. Салмадан тараған урпақлар: Бейтлеҳем, Нетофа, Атрот-Бейт-Йоаб, Манахаттың ярымы ҳәм Сора турғынлары,
55. Ябесте жасайтуғын хаткерлердиң тират, шимеат ҳәм сухат тийрелери. Булар Рехаб урпақларының бабасы Хамматтың нәсилинен келип шыққан кен халқы болады.
1. Даўыттың Хебронда туўылған уллары мыналар: туңғышы изреелли Ахиноамнан туўылған Амнон, екиншиси кармелли Абигайылдан туўылған Даниел,
2. үшиншиси Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылған Абшалом, төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония,
3. бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия, алтыншысы ҳаялы Эгладан туўылған Итреам.
4. Даўыттың бул алты улы Хебронда туўылды. Даўыт Хебронда жети жыл алты ай, соңынан Ерусалимде отыз үш жыл патшалық қылды
5. Даўыттың Ерусалимде туўылған уллары: Шимеа, Шобаб, Натан ҳәм Сулайман. Бул төртеўи Аммиелдиң қызы Бат-Шуадан туўылды
6. Олардан басқа Даўыттың Ибхар, Элишама, Элифелет,
7. Ногаҳ, Нефег, Яфиа,
8. Элишама, Эляда ҳәм Элифелет деген тоғыз улы болды.
9. Булардың барлығы Даўыттың ҳаялларынан туўылған уллары еди. Оның тоқалларынан туўылған уллары да болды. Даўыттың Тамара деген қызы да бар еди
10. Рехабам Сулайманның улы еди. Рехабамнан Абия, Абиядан Аса, Асадан Еҳошафат,
11. Еҳошафаттан Иорам, Иорамнан Ахазия, Ахазиядан Иоаш,
12. Иоаштан Амасия, Амасиядан Азария, Азариядан Иотам,
13. Иотамнан Ахаз, Ахаздан Хизкия, Хизкиядан Менашше,
14. Менашшеден Амон, Амоннан Иошия туўылды.
15. Иошияның уллары: туңғыш улы Юханан, екиншиси Еҳояким, үшиншиси Седекия, төртиншиси Шаллум.
16. Еҳоякимниң уллары: Еҳония ҳәм Седекия.
17. Еҳоякинниң Бабилонға сүргин етип алып кетилген уллары: Шеалтиел,
18. Малкирам, Педая, Шенассар, Еқамия, Ҳошама ҳәм Недабия.
19. Педаяның уллары: Зеруббабел ҳәм Шимей. Зеруббабелдиң перзентлери: Мешуллам, Ханания ҳәм қарындасы Шеломит.
20. Зеруббабелдиң және бес улы бар еди: Хашуба, Оҳел, Берехия, Хасадия ҳәм Юшаб-Хесед.
21. Хананияның уллары: Пелатия ҳәм Ешая. Ешаядан Рефая, Рефаядан Арнан, Арнаннан Обадия, Обадиядан Шекания туўылды.
22. Шеканияның улы Шемая еди. Шемаяның уллары: Хаттуш, Игал, Бариах, Неария, Шафат – барлығы болып алтаў.
23. Неарияның уллары: Элйоенай, Хизкия, Азриқам – барлығы болып үшеў.
24. Элйоенайдың уллары: Ҳодаўия, Эляшиб, Пелая, Аққуб, Юханан, Делая ҳәм Ананий – барлығы болып жетеў.
1. Яҳуданың урпақлары: Перес, Хесрон, Кармий, Хур ҳәм Шобал.
2. Шобалдың улы Реая Яхаттың әкеси еди. Яхат Ахумай менен Лаҳадтың әкеси еди. Булар Сора турғынларының тийрелери еди.
3. Изреел, Ишма, Идбаш ҳәм олардың қарындасы Ҳаселелпонийдиң әкеси Этамның тийкарын салған еди.
4. Пенуел Гедордың ҳәм Эзер Хушаның тийкарын салған еди. Булар Бейтлеҳемниң тийкарын салыўшылар ҳәм Эфратаның туңғыш улы Хурдың урпақлары еди.
5. Теқоа қаласының тийкарын салған Ашхурдың Хела ҳәм Наара деген еки ҳаялы бар еди.
6. Наара Ашхурға Ахуззам, Хефер, Темени ҳәм Ахаштарийди туўып берди. Булар Наараның уллары еди.
7. Ашхурдың Хеладан туўылған уллары: Серет, Сохар, Этнан
8. ҳәм Қос. Қос Ануб пенен Ҳассобебаның әкеси ҳәм Ҳарум улы Ахархел тийрелериниң түп бабасы еди.
9. Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес қойған еди.
10. Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес қойған еди.
11. Шуханың туўысқаны Келуб Мехирдиң әкеси, Мехир Эштонның әкеси еди.
12. Эштоннан Бейт-Рафа, Пасеах ҳәм Техинна туўылды. Техинна Ир- Нахаштың тийкарын салды. Булар бурын Рехада жасайтуғын еди.
13. Кеназдың уллары: Отниел ҳәм Серая. Отниелдиң уллары: Хатат ҳәм Меонотай.
14. Меонотай Офраның әкеси еди. Серая Ге-Харашимның тийкарын салған Иоабтың әкеси еди. Булай аталыўының себеби, сол жердиң турғынлары өнерментшилик пенен шуғылланатуғын еди.
15. Ефунне улы Калебтиң уллары: Иру, Эла ҳәм Наам. Эланың улы: Кеназ.
16. Еҳаллелелдиң уллары: Зиф, Зифа, Тирия ҳәм Асарел.
17. Эзраның уллары: Етер, Меред, Эфер, Ялон. Меред фараонның қызы Битеаға үйленип, ол Мередке Мәриямды, Шаммайды ҳәм Эштемоаның тийкарын салған Ишбахты туўып берди.
18. Меред және яҳудалы қызға үйленди. Бул ҳаялы оған Гедордың тийкарын салған Ередти, Сохоның тийкарын салған Хеберди ҳәм Заноахтың тийкарын салған Еқутиелди туўып берди.
19. Ҳодия Нахамның қарындасына үйленди. Оннан туўылған уллар Кеилада жасайтуғын Гарм тийресиниң ҳәм Эштемоада жасайтуғын Мааха тийресиниң түп бабасы еди.
20. Шимонның уллары: Амнон, Ринна, Бен-Ханан ҳәм Тилон. Ишийдиң урпақлары: Зохет ҳәм Бен-Зохет.
21. Яҳуданың улы Шеланың уллары: Леханың тийкарын салған Эр, Марешаның тийкарын салған Лаада, Бейт-Ашбеадағы ҳасыл зығыр тоқыўшылардың әўладлары,
22. Иоким, Козеба турғынлары, Моаб пенен Яшубий-Лехемди басқарған Иоаш пенен Сараф. Бул мағлыўматлар әййемги жазбалардан алынған.
23. Олар Нетаим ҳәм Гедерада жасайтуғын ҳәм гүлалшылық етип, патша ушын хызмет ететуғын еди.
24. Шимонның урпақлары: Немуел, Ямин, Яриб, Зерах ҳәм Шаул.
25. Шаулдан Шаллум, Шаллумнан Мибсам, Мибсамнан Мишма туўылды.
26. Мишманың урпақлары: Мишмадан Хаммуел, Хаммуелден Заккур, Заккурдан Шимей туўылды.
27. Шимейдиң он алты улы, алты қызы бар еди. Бирақ оның туўысқанларының перзентлери аз болғанлықтан, олардың урыўы Яҳуда урыўындай үлкен болмады.
28. Шимонның урпақлары Беер-Шеба, Молада, Хасар-Шуал,
29. Билҳа, Эсем, Толад,
30. Бетуел, Хорма, Сиклаг,
31. Бейт- Маркабот, Хасар-Сусим, Бейт-Бирий ҳәм Шаарайым қалаларында жасады. Даўыттың патшалығына дейин усы қалалар Шимонның урпақларына тийисли болды.
32. Олардың әўладлары Этам, Айын, Риммон, Тохен ҳәм Ашан атлы бес қалада да жасады.
33. Баалға дейин созылған бул қалалардың дөгерегиндеги барлық аўыллар да оларға тийисли болды. Олар сол жерлерде жасап, өзлериниң шежиресин жазып барды.
34. Шимонның басқа урпақлары: Мешобаб, Ямлех, Амасия улы Иоша,
35. Иоел, Асиелдиң шаўлығы Сераяның ақлығы Иошибияның улы Еҳу,
36. Элйоенай, Яақоба, Ешохая, Асая, Адиел, Есимиел, Беная
37. ҳәм Шемаяның жаўлығы Шимрийдиң қуўлығы Едаяның шаўлығы Аллонның ақлығы Шифий улы Зиза.
38. Жоқарыда аты аталғанлардың ҳәр бири тийре басшылары еди. Олардың нәсиллери көбейип, кеңнен тарады.
39. Олар малларына жайлаў излеп, Гедордың жанына, ойпатлықтың шығысына дейин барды.
40. Ол жерде мол ҳәм жақсы жайлаўлар болып, үлке кең, тыныш ҳәм қәўипсиз еди. Бурын ол жерде Хамның урпақларының айырымлары жасаған еди.
41. Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде, жоқарыда аты аталған Шимон урпақлары Хам урпақларына ҳәм сол жерде жасап атырған Меуним урпақларына ҳүжим жасап, оларды толық қырып таслады. Соңынан өзлери сол жерге жайласып алды, олар бүгин де сол жерде жасайды. Себеби ол жерде сүриўлери ушын жайлаў бар еди.
42. Кейин Ишийдиң уллары Пелатия, Неария, Рефая ҳәм Уззиел басшылығында Шимонның урпағынан бес жүз адам таўлы Сеир үлкесине барып,
43. Амалек нәсилинен аман қалғанларды қырып таслады. Шимон урпақлары бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.
1. Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары. Рубен Израилдың туңғыш улы еди. Бирақ ол әкесиниң төсегин ҳарамлағаны ушын, туңғышлық ҳуқықы Израилдың улы Юсуптиң улларына берилди. Сол себепли Рубен шежиреде туңғыш ул сыпатында дизимге алынбаған.
2. Яҳуда туўысқанлары ишинде ең күшлиси болып, ҳүкимдар оның урпағынан шықса да, туңғышлық ҳуқықы Юсупке тийисли болды.
3. Израилдың биринши улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
4. Иоелдиң урпағы: Иоелдиң улы Шемая, Шемаяның улы Гог, Гогтың улы Шимей,
5. Шимейдиң улы Миха, Миханың улы Реая, Реаяның улы Баал ҳәм
6. Баалдың улы Беера. Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер Беераны сүргин қылып алып кеткенде, ол Рубен урыўының көсеми еди.
7. Беераның ағайинлери шежиреде тийрелери бойынша былай дизимге алынған: жетекши Еиел, Зехария
8. ҳәм Бела. Бела Азаздың улы, Шеманың ақлығы ҳәм Иоелдиң шаўлығы еди. Олар Ароерден баслап Небо менен Баал-Меонға дейин созылған жерлерде жасады.
9. Олардың Гилад жериндеги падалары көбейип кеткенликтен, шығыс тәрептеги Евфрат дәрьясына қарай созылған шөлге дейинги жерлерди ийелеп алды.
10. Шаулдың патшалық қылған дәўиринде, Рубен урпағы Ажар урпағына қарсы урыс ашты. Оларды жеңип, Гиладтың шығыс тәрепиндеги оларға тийисли барлық жерлерди ийелеп алды.
11. Гад урыўы Рубен урыўына қоңсылас Башан аймағында Салкаға дейин созылған жерлерде жасады.
12. Башан жеринде Иоел басшы еди, Шафам екинши дәрежели басшы, Янай ҳәм Шафат олардан кейингилер еди.
13. Олардың ағайинлери, басқа жети тийрениң басшылары мыналар: Михаил, Мешуллам, Шеба, Иорай, Якан, Зиа ҳәм Эбер.
14. Булар Абихайылдың уллары болып, Абихайыл Хурийдиң, Хурий Яроахтың, Яроах Гиладтың, Гилад Михаилдиң, Михаил Ешишайдың, Ешишай Яхдоның, Яхдо Буздың улы еди.
15. Гунийдиң ақлығы, Абдиелдиң улы Ахий усы тийрелердиң басшысы еди.
16. Гадлылар Гиладта, Башанда, оларға тийисли аўылларда ҳәм Шаронның барлық жайлаўларының шегараларына дейинги жерлерде жасады.
17. Булардың ҳәммеси Яҳуда патшасы Иотамның ҳәм Израил патшасы Яробамның патшалық еткен дәўиринде шежиреге киргизилген.
18. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымында урысқа жарамлы қырық төрт мың жети жүз алпыс адам бар еди. Олардың ҳәммеси қалқан ҳәм қылыш услап, оқ жай тартып, урыса алатуғын батырлар еди.
19. Олар Ажар урпақларына, Етур, Нафиш ҳәм Нодаб қәўимлерине қарсы урыс алып барды.
20. Оларды жеңиўде Рубен, Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жәрдем берилди ҳәм Қудай Ажар урпақлары менен оның аўқамласларын оларға тәслим етти. Себеби олар урысып атырып, даўыслап Қудайды шақырған еди. Қудай да олардың дуўасына жуўап берди, өйткени олар Оған үмит байлаған еди.
21. Олар Ажар урпақларының малларын: елиў мың түйе, еки жүз елиў мың қой, еки мың ешекти олжа қылып, жүз мың адамды тутқынға алды.
22. Оларға қарсы Қудайдың Өзи урысқанлығы себепли, душпанлардың көпшилиги саўашта қырылып кетти. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы сүргинге дейин сол жерлерде жасады.
23. Менашше урыўының ярымы көп санлы еди. Олар Башаннан Баал- Хермонға, Сенир ҳәм Хермон таўына дейин созылған жерлерде жасады.
24. Олардың әўлад басшылары мыналар: Эфер, Иший, Элиел, Азриел, Еремия, Ҳодаўия ҳәм Яхдиел. Булар мәрт жаўынгерлер, абырайлы ерлер ҳәм әўлад басшылары еди.
25. Деген менен, олар ата-бабаларының Қудайына опасызлық етти. Қудайға қыянет етип, өзлериниң алдында қырып жиберилген сол еллердиң халықларының бутларына табынды.
26. Сол себепли Израилдың Қудайы Ассирия патшасы Пулды, яғный Тилгат-Пилнесерди ҳәрекетке келтирди. Ассирия патшасы Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жеңип, оларды тутқынға алды. Оларды Халахқа, Хаборға, Ҳараға ҳәм Гозан дәрьясының бойына сүргин қылды. Олар бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.
1. Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
2. Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
3. Амрамның балалары: Харон, Муўса ҳәм Мәриям. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар, Итамар.
4. Элазардан Пинехас, Пинехастан Абишуа,
5. Абишуадан Буккий, Буккийден Уззий,
6. Уззийден Зерахия, Зерахиядан Мерайот,
7. Мерайоттан Амария, Амариядан Ахитуб,
8. Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Ахимаас,
9. Ахимаастан Азария, Азариядан Юханан,
10. Юхананнан Азария туўылды. Азария патша Сулайманның Ерусалимде қурғызған Ибадатханасында руўханий болып хызмет етти.
11. Азариядан Амария, Амариядан Ахитуб,
12. Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Шаллум,
13. Шаллумнан Хилкия, Хилкиядан Азария,
14. Азариядан Серая, Сераядан Иосадақ туўылды.
15. Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын Набуходоносор арқалы сүргин қылғанда, Иосадақ та сүргин қылынған еди.
16. Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
17. Гершомның улларының атлары: Либний ҳәм Шимей.
18. Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
19. Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Түп бабасы бойынша дизимге алынған Лебий урыўының тийрелери мыналар:
20. Гершомның урпағы: Гершомнан Либний, Либнийден Яхат, Яхаттан Зимма,
21. Зиммадан Иоах, Иоахтан Иддо, Иддодан Зерах, Зерахтан Еатрай туўылды.
22. Қоҳаттың урпағы: Қоҳаттан Амминадаб, Амминадабтан Қорах, Қорахтан Ассир,
23. Ассирден Элқана, Элқанадан Эбясаф, Эбясафтан Ассир,
24. Ассирден Тахат, Тахаттан Уриел, Уриелден Уззия, Уззиядан Шаул туўылды.
25. Элқананың басқа уллары: Амасай ҳәм Ахимот.
26. химоттан Элқана, Элқанадан Софай, Софайдан Нахат,
27. Нахаттан Элиаб, Элиабтан Ерохам, Ерохамнан Элқана туўылды
28. Самуелдиң уллары: туңғыш улы Иоел, екиншиси Абия.
29. 9Мерарийдиң урпағы: Мерарийден Махлий, Махлийден Либний, Либнийден Шимей, Шимейден Узза,
30. Уззадан Шимеа, Шимеадан Хаггия, Хаггиядан Асая туўылды.
31. Келисим сандығы Жаратқан Ийениң үйине апарылғаннан соң, сол жерде хызмет етиў ушын Даўыт тайынлаған сазенделердиң атлары төменде берилген.
32. Сулайман Ерусалимде Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурғанға дейин, олар Ушырасыў шатырында қосық айтып, хызмет етти. Олар өз хызметин берилген көрсетпелер бойынша орынлайтуғын еди.
33. Сол жерде уллары менен бирге сол хызметти атқарып атырғанлар мыналар: Қоҳаттың урпағынан: қосықшы Ҳеман. Ҳеман Иоелдиң, Иоел Самуелдиң,
34. Самуел Элқананың, Элқана Ерохамның, Ерохам Элиелдиң, Элиел Тоахтың,
35. Тоах Суфтың, Суф Элқананың, Элқана Махаттың, Махат Амасайдың,
36. Амасай Элқананың, Элқана Иоелдиң, Иоел Азарияның, Азария Сефанияның,
37. Сефания Тахаттың, Тахат Ассирдиң, Ассир Эбясафтың, Эбясаф Қорахтың,
38. Қорах Исҳардың, Исҳар Қоҳаттың, Қоҳат Лебийдиң, Лебий Израилдың улы еди.
39. Ҳеманның оң жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси, туўысқаны Асаф болды. Асаф Берехияның улы болып, Берехия Шимеаның,
40. Шимеа Михаилдиң, Михаил Баасияның, Баасия Малкияның,
41. Малкия Этнийдиң, Этний Зерахтың, Зерах Адаяның,
42. Адая Этанның, Этан Зимманың, Зимма Шимейдиң,
43. Шимей Яхаттың, Яхат Гершомның, Гершом Лебийдиң улы еди.
44. Ҳеманның шеп жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси туўысқаны Мерарий урпағынан Этан болды. Этан Кишийдиң улы болып, Киший Абдийдиң, Абдий Маллухтың,
45. Маллух Хашабияның, Хашабия Амасияның, Амасия Хилкияның,
46. Хилкия Амсийдиң, Амсий Банийдиң, Баний Шемердиң,
47. Шемер Махлийдиң, Махлий Мушийдиң, Муший Мерарийдиң, Мерарий Лебийдиң улы еди.
48. Олардың лебийли туўысқанлары Мухаддес шатырдағы, Қудайдың Үйиндеги басқа барлық хызметлерди орынлаў ушын тайынланды.
49. Бирақ тек Харон ҳәм оның урпақлары ғана қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлықларды берип, түтетки түтетилетуғын орында түтеткилерди түтететуғын ҳәм Ең мухаддес бөлмеде исленетуғын барлық хызметлерди атқаратуғын еди. Олар Қудайдың қулы Муўса берген барлық буйрықлар бойынша, Израил халқын гүнадан пәклейтуғын еди.
50. Харонның урпақлары мыналар: Харонның улы Элазар, Элазардың улы Пинехас, Пинехастың улы Абишуа,
51. Абишуаның улы Буккий, Буккийдиң улы Уззий, Уззийдиң улы Зерахия,
52. Зерахияның улы Мерайот, Мерайоттың улы Амария, Амарияның улы Ахитуб,
53. Ахитубтың улы Садоқ, Садоқтың улы Ахимаас.
54. Лебийлилердиң жасаўы ушын ажыратылған жерлер мыналар: Қоҳат тийресинен шыққан Харонның урпақларына биринши шек түскенликтен,
55. оларға Яҳудадағы Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди.
56. Ал қала дөгерегиндеги атыз ҳәм аўыллар Ефунне улы Калебке берилди.
57. Солай етип, Харонның урпақларына паналайтуғын қалалар: Хеброн, Либна, Яттир, Эштемоа,
58. Хилез, Дебир,
59. Ашан, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
60. Бенямин урыўынан да оларға Геба, Алемет, Анатот қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. Қоҳат тийресине берилген бул қалалар барлығы болып он үш еди.
61. Қоҳат тийресиниң қалғанларына Менашше урыўының ярымынан алынған он қала шек таслаў арқалы берилди.
62. Гершом урпағына тийре санына қарай, Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларынан ҳәм Башандағы Менашше урыўынан алынған он үш қала шек бойынша берилди.
63. Мерарий урпағына тийре санына қарай, Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала шек бойынша берилди.
64. Израиллылар бул қалаларды жайлаўлары менен қоса лебийлилерге берди.
65. Яҳуда, Шимон, Бенямин урыўларынан алынған ҳәм жоқарыда атлары аталған қалалар шек таслаў арқалы берилди.
66. Қоҳат тийресинен болған базы шаңарақларға Эфрайым урыўына тийисли жерлерден қалалар берилди.
67. Оларға Эфрайымның таўлы үлкесиндеги паналайтуғын қала Шехем, Гезер,
68. Иоқмеам, Бейт-Хорон,
69. Айялон ҳәм Гат-Риммон қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
70. Қоҳат тийресиниң қалған шаңарақларына Менашше урыўының ярымынан алынған Анер ҳәм Билеам қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
71. Гершом урпағына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди: Менашше урыўының ярымына тийисли жерлерден: Башандағы Голан ҳәм Аштарот.
72. Иссахар урыўынан: Кедеш, Даберат,
73. Рамот, Анем.
74. Ашер урыўынан: Машал, Абдон,
75. Хуқоқ ҳәм Рехоб.
76. Нафталий урыўынан: Галиладағы Кедеш, Хаммон, Кирятайым.
77. Мерарий урпақларының қалғанларына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди: Зебулон урыўынан: Риммоно ҳәм Табор.
78. Рубен урыўынан: Ерихоның қарсы алдында, Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан шөлдеги Бесер, сондай-ақ, Яҳаса,
79. Кедемот ҳәм Мефаат.
80. Гад урыўынан: Гиладтағы Рамот, Маханайым,
81. Хешбон ҳәм Язер.
1. Иссахардың Тола, Пуа, Яшуб ҳәм Шимрон деген төрт улы бар еди.
2. Толаның уллары: Уззий, Рефая, Ериел, Яхмай, Ибсам ҳәм Самуел. Олар өз әўладларының басшылары еди. Даўыт патшалық еткен дәўирде, Тола урпақларының шежиресинде олардан жигирма еки мың алты жүз мәрт жаўынгер есапқа алынған.
3. Уззийдиң улы Израхия. Израхияның уллары: Михаил, Обадия, Иоел ҳәм Ишшия. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди.
4. Олардың ҳаяллары да, балалары да көп болғанлықтан, әўладының шежиреси бойынша оларда урысқа жарамлы отыз алты мың адам бар еди.
5. Урыў шежиреси бойынша, Иссахар урыўының тийрелеринен сексен жети мың мәрт жаўынгер есапқа алынған.
6. Беняминниң үш улы бар еди: Бела, Бехер ҳәм Едиаел.
7. Беланың бес улы бар еди: Эсбон, Уззий, Уззиел, Еримот ҳәм Ирий. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. Олардың шежиресинде жигирма еки мың отыз төрт мәрт жаўынгер дизимге алынған еди.
8. Бехердиң уллары: Земира, Иоаш, Элиезер, Элйоенай, Омрий, Еремот, Абия, Анатот ҳәм Алемет. Булардың ҳәммеси Бехердиң уллары еди.
9. Олардың шежиресинде әўлад басшылары ҳәм жигирма мың еки жүз мәрт жаўынгер дизимге алынған.
10. Едиаелдиң улы: Билҳан. Билҳанның уллары: Еуш, Бенямин, Эҳуд, Кенаана, Зетан, Таршиш ҳәм Ахишахар.
11. Едиаелдиң барлық уллары әўлад басшылары еди. Оларда урысқа жарамлы он жети мың еки жүз мәрт жаўынгер бар еди.
12. Шуппим ҳәм Хуппим Ирдиң, Хушим болса, Ахердиң урпақлары еди.
13. Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шаллум. Олар Яқыптың ҳаялы Билҳадан тараған урпақлар еди.
14. Менашшениң уллары: арамлы тоқалынан туўылған уллары Асриел ҳәм Махир. Махир Гиладтың әкеси еди.
15. Махир Хуппим менен Шуппимниң қарындасы Мааханы ҳаяллыққа алды. Менашшениң басқа урпағының аты Селофехад болып, оның тек ғана қызлары болды.
16. Махирдиң ҳаялы Мааха ул туўып, атын Переш деп қойды. Оның инисиниң аты Шереш еди. Шерештиң Улам ҳәм Рекем атлы еки улы болды.
17. Уламның улы Бедан. Менашшениң ақлығы Махирдиң улы Гиладтың әўлады усылардан ибарат еди.
18. Махирдиң қарындасы Ҳаммолехет Ишҳодты, Абиезерди ҳәм Махланы туўды.
19. Шемиданың уллары: Ахиян, Шехем, Ликхий ҳәм Аниам.
20. Эфрайымның Шутелах деген улы бар еди. Шутелахтан Беред, Бередтен Тахат, Тахаттан Элада, Элададан Тахат,
21. Тахаттан Забад, Забадтан Шутелах туўылды. Эфрайымның Шутелахтан басқа Эзер ҳәм Элад деген уллары да болды. Эзер менен Элад Гат қаласының тийкарғы турғынларына қараслы малларды урлап алып кетпекши болғанда, гатлылар оларды өлтирди.
22. Олардың әкеси Эфрайым узақ ўақыт аза тутты. Сонда туўысқанлары оны жубатыўға келди.
23. Эфрайым және ҳаялы менен жатты ҳәм ҳаялы жүкли болып, бир ул туўды. Үйинде бахытсызлық жүз бергени ушын, әкеси баланың атын Бериа деп қойды.
24. Оның Шеера деген қызы да бар еди. Шеера төменги ҳәм жоқарғы Бейт-Хорон ҳәм Уззен-Шеера қалаларының тийкарын салды.
25. Эфрайымның Рефах атлы басқа бир улы да бар еди. Рефахтан Решеф, Решефтен Телах, Телахтан Тахан,
26. Таханнан Лаадан, Лааданнан Аммиҳуд, Аммиҳудтан Элишама,
27. Элишамадан Нун, Нуннан Ешуа туўылды.
28. Эфрайымлылардың жайласқан жерлери Бейт-Элди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, шығыстағы Нааранды, батыстағы Гезерди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, Шехемди, Айяны ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды өз ишине алды.
29. Менашше урыўының жерлерине шегаралас Бейт-Шеан, Таанах, Мегиддо ҳәм Дор қалалары, және оларға тийисли аўыллар бар еди. Израил улы Юсуптиң урпағы усы жерлерде жасады.
30. Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қыз туўысқаны Серах.
31. Берианың уллары: Хебер ҳәм Бирзаиттың тийкарын салған Малкиел.
32. Хебердиң Яфлет, Шомер, Хотам атлы уллары ҳәм Шуўа атлы бир қызы бар еди.
33. Яфлеттиң уллары: Пасах, Бимҳал ҳәм Ашўат. Яфлеттиң уллары усылар еди.
34. Шемердиң уллары: Ахий, Роҳага, Хубба ҳәм Арам.
35. Оның туўысқаны Ҳелемниң уллары: Софах, Имна, Шелеш ҳәм Амал.
36. Софахтың уллары: Суах, Харнефер, Шуўал, Берий, Имра,
37. Бесер, Ҳод, Шамма, Шилша, Итран ҳәм Беера.
38. Етердиң уллары: Ефунне, Писпа ҳәм Ара.
39. Улланың уллары: Арах, Ханниел ҳәм Рисия.
40. Булардың ҳәммеси Ашерден тараған урпақлар болып, олар әўлад басшылары, таңланған мәрт жаўынгерлер, абырайлы басшылар еди. Ашер урыўының шежиреси бойынша, урысқа жарамлы жигирма алты мың адам есапқа алынған еди.
1. Беняминниң туңғыш улы Бела, екинши улы Ашбел, үшинши улы Ахрах,
2. төртинши улы Ноха, бесинши улы Рафа еди.
3. Беланың уллары: Аддар, Гера, Абиҳуд,
4. Абишуа, Нааман, Ахоах,
5. Гера, Шефуфан ҳәм Хурам.
6. Гебада жасап, кейин Манахатқа сүргин етилген әўладлардың басшылары болған Эхудтың уллары:
7. Нааман, Ахия ҳәм буларды баслап алып барған Гера. Гера Узза менен Ахихудтың әкеси еди.
8. Шахарайым еки ҳаялы Хушим менен Баарадан ажырасқаннан кейин, Моаб үлкесинде уллар көрди.
9. Ол кейинги алған ҳаялы Ходештен Иобаб, Сибия, Меша, Малкам,
10. Еус, Сахия ҳәм Мирма атлы улларды көрди. Шахарайымның усы улларының ҳәммеси әўлад басшылары еди.
11. Шахарайымның Хушим деген ҳаялынан да Абитуб ҳәм Элпаал атлы еки улы бар еди.
12. Элпаалдың уллары: Эбер, Мишам, сондай-ақ, Оно ҳәм Лод қалалары менен оның әтирапындағы аўылларды қурған Шемед,
13. және Бериа ҳәм Шема. Бериа менен Шема Айялонда жасайтуғын халықтың әўлад басшылары еди. Олар Гат турғынларын сол қаладан қуўып жиберген еди.
14. Ахйо, Шашақ, Еремот,
15. Зебадия, Арад, Эдер,
16. Михаил, Ишпа ҳәм Иоха – булар Берианың уллары еди.
17. Зебадия, Мешуллам, Хизкий, Хебер,
18. Ишмерай, Излиа ҳәм Иобаб – булар Элпаалдың уллары еди.
19. Яким, Зихрий, Забдий,
20. Элиенай, Силлетай, Элиел,
21. Адая, Берая ҳәм Шимрат – булар Шимейдиң уллары еди.
22. Ишпан, Эбер, Элиел,
23. Абдон, Зихрий, Ханан,
24. Ханания, Элам, Антотия,
25. Ифдея ҳәм Пенуел – булар Шашақтың уллары еди.
26. Шамшерай, Шехария, Аталия,
27. Ярешия, Илияс ҳәм Зихрий – булар Ерохамның уллары еди.
28. Булардың ҳәммесиниң әўлад басшылары ҳәм көсемлер болғанлығы шежиреде жазылған. Олар Ерусалимде жасады.
29. Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди.
30. Еиелдиң туңғыш улы Абдон, кейинги уллары: Сур, Киш, Баал, Надаб,
31. Гедор, Ахйо, Зехер
32. ҳәм Шимеаның әкеси Миклот. Булар Ерусалимде, өз туўысқанларының жанында жасады.
33. Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатанның, Малкий- Шуаның, Абинадабтың ҳәм Эшбаалдың әкеси еди.
34. Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди.
35. Миханың уллары: Питон, Мелех, Тареа ҳәм Ахаз.
36. Ахаздан Еҳоадда туўылды. Еҳоаддадан Алемет, Азмаўет, Зимрий туўылды. Зимрийден Моса,
37. Мосадан Бинеа, Бинеадан Рефа, Рефадан Эласа, Эласадан Асел туўылды.
38. Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди.
39. Аселдиң иниси Эшектиң уллары: туңғыш улы Улам, екиншиси Еуш, үшиншиси Элифелет.
40. Уламның уллары оқ жай атыўға шебер, мәрт жаўынгерлер болды. Уламның уллары ҳәм ақлықлары көп болып, олар барлығы болып бир жүз елиў еди. Булардың ҳәммеси Беняминниң урпақлары еди.
1. Солай етип, пүткил Израил халқы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған шежиреге киргизилген еди. Яҳуда халқы Жаратқан Ийеге қыянет ислегени ушын, Бабилонға сүргин етилген еди
2. Өз қалаларындағы өз ийеликлерине израиллылар руўханийлер, лебийлилер ҳәм Ибадатхана хызметшилери менен бирге биринши болып қайтып келип, қоныс басты.
3. Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше урыўынан болған мына адамлар Ерусалимде жасады:
4. Яҳуданың улы Перестиң урпағынан: Банийдиң қуўлығы Имрийдиң шаўлығы Омрийдиң ақлығы Аммиҳудтың улы Утай.
5. Шеланың урпағынан: туңғыш улы Асая ҳәм оның уллары.
6. Зерахтың урпағынан: Еуел ҳәм оның туўысқанлары. Яҳуда урыўынан ҳәммеси болып алты жүз тоқсан адам еди.
7. Бенямин урыўынан: Ҳассенуаның шаўлығы Ҳодаўияның ақлығы Мешулламның улы Саллу,
8. Ерохамның улы Ибнея, Михрийдиң ақлығы Уззийдиң улы Эла ҳәм Ибнияның шаўлығы Реуелдиң ақлығы Шефатияның улы Мешуллам.
9. Шежиресинде жазылғаны бойынша Бенямин урыўынан тоғыз жүз елиў алты адам еди. Булардың ҳәммеси әўлад басшылары еди.
10. Руўханийлер: Едая, Еҳояриб, Яхин
11. ҳәм Азария. Азария Хилкияның улы Мешулламның ақлығы Садоқтың шаўлығы Мерайоттың қуўлығы Ахитубтың жаўлығы еди. Ахитуб Қудайдың Үйиниң бас хызметкери еди.
12. Малкияның шаўлығы Пашхурдың ақлығы Ерохамның улы Адая ҳәм Иммердиң жаўлығы Мешиллемиттиң қуўлығы Мешулламның шаўлығы Яхзераның ақлығы Адиелдиң улы Маасай.
13. Әўлад басшылары болған Ибадатхана хызметшилери барлығы бир мың жети жүз алпыс адам еди. Олар Қудайдың Үйиндеги ислерди шеберлик пенен атқаратуғын еди.
14. Лебийлилер: Мерарий урпағынан: Хашабияның шаўлығы Азриқамның ақлығы Хашшубтың улы Шемая,
15. Бақбаққар, Хереш, Галал ҳәм Маттания. Маттания Асафтың шаўлығы Зихрийдиң ақлығы Миханың улы еди.
16. Едутунның шаўлығы Галалдың ақлығы Шемаяның улы Обадия ҳәм нетофалылардың аўылларында жасап атырған Элқананың ақлығы Асаның улы Берехия.
17. Ибадатханадағы дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Аққуб, Талмон, Ахиман. Олардың туўысқаны Шаллум олардың басшысы еди.
18. Олар бүгинге дейин, шығыс тәрептеги Патша дәрўазасында хызмет етип келеди. Лебийлилердиң ордасынан болған дәрўаза қараўыллары да усылар еди.
19. Қорахтың шаўлығы Эбясафтың ақлығы Қорениң улы Шаллум ҳәм оның Қорах әўладынан болған туўысқанлары Ибадатхананың кирер аўзын қараўыллады. Олардың ата- бабалары да Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының кирер аўзын қараўыллаған еди.
20. Алдынғы ўақытлары Элазар улы Пинехас дәрўаза қараўылларын басқарған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
21. Мешелемия улы Зехария Ушырасыў шатырының дәрўазасының қараўылы еди.
22. Таңлап алынған дәрўаза қараўыллары барлығы болып еки жүз он еки адам еди. Олар аўыллары бойынша шежиреге киргизилди. Оларды бул жуўапкершиликли ўазыйпаға Даўыт ҳәм көзи ашық Самуел тайынлаған еди.
23. Олар ҳәм олардың урпақлары Жаратқан Ийениң Ибадатханасының, яғный Шатырының дәрўазасында сақшылық қылатуғын еди.
24. Олар төрт тәрептеги: шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладағы дәрўазаларды қараўыллады.
25. Олардың аўылларда жасайтуғын туўысқанлары ўақты-ўақты келип, жети күнлик хызметти олар менен бөлисип ислеўге миннетли болды.
26. Бас дәрўаза қараўылларының төртеўи де лебийли болып, оларға Қудайдың Ибадатханасындағы бөлмелер ҳәм ғәзийнеханалар исенип тапсырылған еди.
27. Оларға Қудайдың Ибадатханасын қараўыллаў ҳәм ҳәр таңда қапыларды ашыў ўазыйпасы жүкленгенликтен, олар түнди Қудайдың Үйи әтирапында өткеретуғын еди.
28. Лебийлилердиң базылары Ибадатхана хызметинде қолланылатуғын затларға жуўапкер болды. Олар затларды хызмет ушын бергенде де, қайтарып алғанда да санайтуғын еди.
29. Олардың басқалары Ибадатханадағы буйымларға ҳәм басқа барлық затларға, сондай-ақ сапалы унға, шарапқа, зәйтүн майына, ливан шайырына ҳәм хош ийисли затларға жуўапкер еди.
30. Ал руўханийлердиң базылары хош ийисли затларды араластырып таярлаў хызметин атқарды.
31. Қорахтың урпағынан Шаллумның туңғыш улы, лебийли Маттития садақа етип усынылатуғын нанларды таярлаў хызметине қойылған еди.
32. Оның Қоҳат урпағынан болған базы туўысқанларына болса, ҳәр Шаббат күни усынылатуғын нанларды таярлап, оларды усыныў хызмети жүкленди.
33. Лебийлилердиң әўлад басшылары болған сазенде ҳәм қосықшылар Ибадатхана бөлмелеринде жасады. Олар күни-түни хызметте болғанлықтан, хызметтиң басқа түрлеринен азат болды.
34. Булардың ҳәммеси урпақ шежиреси бойынша лебийлилердиң әўлад басшылары еди ҳәм олар Ерусалимде жасайтуғын еди.
35. Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди.
36. Еиелдиң туңғыш улы Абдон болып, басқа уллары мыналар еди: Сур, Киш, Баал, Нер, Надаб,
37. Гедор, Ахйо, Зехария ҳәм Миклот.
38. Миклот Шимеамның әкеси еди. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады.
39. Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатан, Малкий-Шуа, Абинадаб ҳәм Эшбаалдың әкеси еди.
40. Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб- Баал Миханың әкеси еди.
41. Миханың уллары: Питон, Мелех, Тахреа.
42. Ахаз Яраның, Яра Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның,
43. Моса Бинеаның, Бинеа Рефаяның, Рефая Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди.
44. Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары мынадай: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди.
1. Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.
2. Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.
3. Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды.
4. Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды», – деди. Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады
5. Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.
6. Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.
7. Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.
8. Келеси күни филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты.
9. Олар Шаулдың кийимлерин шешип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды бутханаларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.
10. Олар Шаулдың қурал- жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.
11. Гиладтағы пүткил Ябеш халқы филистлердиң Шаулға ислеген ҳәмме ислери ҳаққында еситкенде,
12. олардың барлық мәрт жаўынгерлери барып, Шаул менен оның улларының денесин Ябешке алып келди. Кейин олардың сүйеклерин Ябештеги теребинф ағашының астына көмип, жети күн ораза тутып, азалады.
13. Шаул Жаратқан Ийеге қыянет еткени ушын өлген еди. Ол Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбай, ҳәтте, әрўақ шақырыўшыға да мәсләҳәт салды.
14. Ал Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сол себепли Жаратқан Ийе Шаулды өлтирип, оның патшалығын Ишай улы Даўытқа берди.
1. Пүткил израиллылар Хебронға, Даўыттың жанына жыйналып былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
2. Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3. Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Жаратқан Ийениң Самуел арқалы берген ўәдеси бойынша, Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4. Патша Даўыт пенен израиллылар Ерусалимге жүрис қылды. Сол ўақытлары бул қала Ебус деп аталып, ол жерде ебуслылар жасайтуғын еди.
5. Ебус халқы Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң», – деген еди. Деген менен, Даўыт Сион қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
6. Даўыт: «Ебуслыларға биринши болып ҳүжим жасап, жеңген адам сәркәрда ҳәм басшы болады», – деп ўәде берген еди. Серуя улы Иоаб биринши болып ҳүжим жасап, жеңип шықты ҳәм сәркәрда болды.
7. Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды. Сол себепли ол жерге «Даўыттың қаласы» деген ат берилди.
8. Даўыт Миллодан баслап қаланың айнала дийўалларын қайта тикледи. Ал Иоаб қаланың қалған бөлеклерин қайта қурды.
9. Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Жаратқан Ийеси оның менен бирге еди.
10. Жаратқан Ийениң Израилға ўәде еткениндей, Даўыттың батыр әскерлериниң әскербасылары пүткил Израил халқы менен бирге Даўытты патша қылды ҳәм оның патшалығының күшли болыўын қоллап-қуўатлады.
11. Даўыттың батыр әскерлериниң дизими мынаў: үш батырдың сәрдары Хахмон улы Яшобам. Ол үш жүз адамға найза менен қарсы шығып, бир ҳүжим еткенде, ҳәммесин өлтирди.
12. Оннан кейингиси үш батырдың бири ахохлы Додоның улы Элазар.
13. Филистлер урысыў ушын Пас-Даммимде жыйналғанда, Элазар Даўыттың қасында болды. Ол жерде бир арпа атызы бар еди. Сонда израиллылар филистлерден қаша баслады.
14. Бирақ Элазар менен Даўыт атыздың ортасында турып, ол жерди қорғады ҳәм филистлерди қырып таслады. Жаратқан Ийе оларға уллы жеңис сыйлады.
15. Бир күни филист әскерлери Рефаим ойпатлығына орда қурған ўақытта, отыз басшыдан үшеўи Адуллам үңгириндеги жартасты паналап турған Даўытқа келди.
16. Сол ўақытта Даўыт қорған ишинде еди, ал филистлердиң сақшылар топарының биреўи Бейтлеҳемде еди.
17. Даўыт қатты шөллеп: «Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди!» – деди.
18. Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды.
19. Ол: «Қудайым, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып, суў алып келген бул үш адамның қанын ишейин бе?» – деп, Даўыт суўды ишпеди. Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди.
20. Иоабтың иниси Абишай үш батырдың басшысы еди. Ол найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сол тәризде ол үш батыр сыяқлы даңққа еристи.
21. Оның үш батырдан* да даңқы артып, олардың басшысы болғаны менен, үш батыр қатарына кирмейтуғын еди.
22. Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди.
23. Және де, ол бойы бес шығанақ болған мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында тоқыў үскенесиниң қадасындай жуўан найзасы бар еди. Беная таяқ пенен оның алдына шықты ҳәм мысырлының найзасын қолынан тартып алып, оны өз найзасы менен өлтирди.
24. Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты.
25. Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды.
26. Басқа батыр әскерлер мыналар: Иоабтың иниси Асаҳел, бейтлеҳемли Додоның улы Элханан,
27. ҳарорлы Шаммот, пелонлы Хелес,
28. теқоалы Иккештиң улы Ира, анатотлы Абиезер,
29. хушалы Сиббехай, ахохлы Илай,
30. нетофалы Маҳарай ҳәм нетофалы Баананың улы Хелед,
31. Бенямин урыўынан гибалы Рибайдың улы Иттай, пиратонлы Беная,
32. Гааш сайлары аймағынан Хурай, арбалы Абиел,
33. бахарумлы Азмаўет, шаалбонлы Эляхба,
34. гизонлы Ҳашемниң уллары, ҳарарлы Шагениң улы Ионатан,
35. ҳарарлы Сакардың улы Ахиам, Урдың улы Элифал,
36. мехералы Хефер, пелонлы Ахия,
37. кармелли Хесрай, Эзбай улы Наарай,
38. Натанның иниси Иоел, Ажар улы Мибхар,
39. аммон халқынан Селек, Серуя улы Иоабтың нөкери бееротлы Нахарай,
40. Итер тийресинен Ира ҳәм Гареб,
41. хетт халқынан Урия, Ахлай улы Забад,
42. рубенлилердиң қәўим басшысы, рубенли Шизаның улы Адина ҳәм оның отыз әскери,
43. Мааха улы Ханан, митанлы Иошафат,
44. аштеротлы Уззия, ароерли Хотамның уллары Шама ҳәм Еиел,
45. Шимрий улы Едиаел ҳәм оның иниси тизли Иоха,
46. махаўлы Элиел, Элнаамның уллары Ерибай ҳәм Иошаўия, моаблы Итма,
47. Элиел, Обид, месобалы Ясиел.
1. Даўыт Киш улы Шаулдан қашып, Сиклагта жасап жүрген ўақытлары, айырым әскерлер келип, оған қосылды. Урысларда Даўытқа жәрдем берген бул жаўынгерлер
2. Бенямин урыўынан, Шаулдың ағайинлеринен еди. Бул садақшылар оқ жай менен қуралланған болып, оң қолы менен де, шеп қолы менен де оқ жай тартып, сақпанда тас ататуғын еди.
3. Олардың басшысы гибалы Шеманың улы Ахиезер болып, иниси Иоаш оның жәрдемшиси еди. Басқа жаўынгерлер: Азмаўеттиң уллары Езиел ҳәм Пелет, сондай-ақ, Бераха ҳәм анатотлы Еҳу,
4. отыз батырдың биреўи, яғный олардың басшысы гибонлы Ишмая, сондай-ақ, Еремия, Яхазиел, Юханан, гедералы Иозабад,
5. Элузай, Еримот, Беалия, Шемария, харуфлы Шефатия,
6. Қорахтың урпағынан болған Элқана, Ишшия, Азарел, Иоезер, Яшобам,
7. гедорлы Ерохамның уллары Иоела ҳәм Зебадия.
8. Даўыт шөлдеги қорғанда болғанда, гадлылардың биразы оған қосылды. Олар урысқа таяр мәрт жаўынгерлер болып, қалқан ҳәм найзаны ислете алатуғын еди. Олардың жүзлери арысландай айбатлы, өзлери таўлардағы кийик киби шаққан еди.
9. Олардың басшысы Эзер еди. Екиншиси Обадия, үшиншиси Элиаб,
10. төртиншиси Мишманна, бесиншиси Еремия,
11. алтыншысы Аттай, жетиншиси Элиел,
12. сегизиншиси Юханан, тоғызыншысы Элзабад,
13. оныншысы Еремия, он бириншиси Махбаннай еди.
14. Усы гадлылар орда әскербасылары еди. Олардың ең ҳәлсизлери жүз адамға, ең күшлилери мың адамға бас келетуғын еди.
15. Биринши айда, Иордан толып тасып турған ўақытта, олар арғы жағаға кесип өтип, ойпатлықтың шығыс ҳәм батыс тәрепинде жасап атырғанлардың ҳәммесин бас саўғалап қашыўға мәжбүр етти
16. Бенямин ҳәм Яҳуда урыўларындағы базы адамлар да Даўыттың жанына, қорғанға келди.
17. Даўыт оларды күтип алыўға шықты ҳәм оларға былай деди: «Егер маған жәрдем бериў ушын жақсы нийет пенен келген болсаңыз, қатарымызға қосылыўыңызға ыразыман. Ал егер ҳеш кимге зорлық ислемеген болсам да, мени душпанларыма услап бериўге келген болсаңыз, онда ата-бабаларымыздың Қудайы буны көрип, ҳүким етсин».
18. Сонда кейинирек отыз батырдың сәрдары болған Амасайдың үстине Қудайдың Руўхы түсип, ол былай деди: «Даўыт, бизлер сизикимиз! Ишай улы, сиз бенен биргемиз! Тынышлық ҳәм аманлық сизге яр болсын! Сизге жәрдем берип атырғанларға да аманлық болсын! Себеби сизди қоллап турған – Қудайыңыздың Өзи». Даўыт оларды жақсы қабыл етти ҳәм өзиниң басқыншылар топарларына басшылар етип қойды.
19. Даўыт филистлер менен бирге Шаулға қарсы урысыў ушын барғанда, Менашше урыўының базы адамлары Даўыттың тәрепине өткен еди. Деген менен, сол урыста Даўыт ҳәм оның адамлары филистлерге жәрдем бермеди. Өйткени филист ҳүкимдарлары кеңесип: «Даўыт мырзасы Шаул тәрепке өтип кетип, басымыздан айырылармыз», – деп, оны кейин қайтарған еди.
20. Даўыт Сиклагқа қайтып кетип баратырғанда, Менашше урыўынан оның тәрепине өткенлер мыналар еди: Аднах, Иозабад, Едиаел, Михаил, Иозабад, Элиҳу ҳәм Силлетай. Булардың барлығы менашшелилердиң мыңбасылары еди.
21. Олар мәрт жаўынгерлер болып, Даўыттың ордасында ләшкербасылық хызметин атқарды ҳәм қарақшылар топарына қарсы гүресиўде Даўытқа жәрдем берди.
22. Даўытқа жәрдем бериў ушын ҳәр күни адамлар келип қосылатуғын еди. Нәтийжеде, Даўыт Қудайдың ләшкерлери сыяқлы үлкен ҳәм күшли ордаға ийе болды.
23. Жаратқан Ийениң берген ўәдеси бойынша, Шаулдың патшалығын Даўытқа бериў ушын Хебронға, Даўыттың жанына келген ләшкерлер саны мынадай еди:
24. Яҳуда урыўынан: урысқа таяр, қалқан ҳәм найза менен қуралланған алты мың сегиз жүз адам.
25. Шимон урыўынан: урысқа таяр, жети мың бир жүз мәрт жаўынгер.
26. Лебий урыўынан: төрт мың алты жүз адам.
27. Харон нәсилиниң басшысы Еҳояда ҳәм оның менен бирге болғанлар үш мың жети жүз адам.
28. Жас ҳәм мәрт жаўынгер Садоқ ҳәм оның тийресинен жигирма еки әскербасы.
29. Шаулдың урыўласлары болған Бенямин урыўынан: үш мың адам. Беняминлилердиң көпшилиги сол ўақытқа дейин Шаулдың шаңарағына садық болып қалды.
30. Эфрайым урыўынан: өз әўлады арасында атағы шыққан жигирма мың сегиз жүз мәрт жаўынгер.
31. Даўытты патша етип қойыў ушын, Менашше урыўының ярымынан арнаўлы түрде шақырылғанлар он сегиз мың адам.
32. Иссахар урыўынан: дәўир талабын түсинетуғын, Израилдың не ислеў кереклигин билетуғын еки жүз ләшкербасы ҳәм олардың қол астындағы адамлар.
33. Зебулон урыўынан: елиў мың адам. Олар урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған болып, Даўытқа шын жүректен жәрдем бериў ушын келди.
34. Нафталий урыўынан: мың әскербасы ҳәм олар менен бирге қалқан ҳәм найза менен қуралланған отыз жети мың адам.
35. Дан урыўынан: урысқа таяр жигирма сегиз мың алты жүз адам.
36. Ашер урыўынан: урысқа таяр, тәжирийбели қырық мың әскер.
37. Иордан дәрьясының шығысында жасайтуғын Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымынан: урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған бир жүз жигирма мың адам.
38. Булардың ҳәммеси сап тартып, урысқа шығыўға таяр әскерлер еди. Олар қатты қәлеў менен, Даўытты пүткил Израил үстинен патша етип қойыў ушын Хебронға келди. Қалған израиллылар да Даўытты патша етиў нийетинде еди.
39. Хебронға келгенлер Даўыттың жанында үш күн қалды ҳәм туўысқанлары таярлап берген азық-аўқатларды ишип-жеди.
40. Сондай- ақ, Иссахар, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларының алыс аймақларынан да адамлар ешек, түйе, ғашыр ҳәм өгизлерге азық-аўқат тийеп келди. Олар мол етип ун, кептирип нығызланған әнжир менен кишмиш, шарап, зәйтүн майын, ири ҳәм майда малларды көп етип алып келди. Себеби Израилда шадлық ҳүким сүрген еди.
1. Даўыт барлық басшылары, мыңбасылары ҳәм жүзбасылары менен мәсләҳәтлести.
2. Соңынан ол пүткил Израил жәмийетине былай деди: «Егер бул сизлерге мақул болса ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийениң еркине сай болса, онда Израил жериниң ҳәр тәрепинде жасап атырған туўысқанларымызға ҳәм қалалары менен жайлаўлары әтирапында жасап атырған руўханийлер менен лебийлилерге хабаршылар жиберейик. Олар да келип, бизлерге қосылсын.
3. Қудайымыздың сандығын өзлеримизге қайтарып алып келейик. Өйткени Шаулдың дәўиринде Қудайдың еркин билиўде оннан пайдаланбадық».
4. Бул усыныс пүткил жәмийетке мақул түсти, себеби пүткил халық нәзеринде бул ис туўры еди.
5. Солай етип, Даўыт Қудайдың Келисим сандығын Кирят-Яримнен алып келиў ушын, Мысырдағы Шихор дәрьясынан Лебо-Хаматқа дейинги жерлерде жасайтуғын барлық израиллыларды жыйнады.
6. Кейин Даўыт ҳәм барлық израиллылар керублар арасында тахт қурған Жаратқан Ийениң аты менен аталған Қудайдың Келисим сандығын алып келиў ушын, Яҳудадағы Баала қаласына, яғный Кирят-Яримге кетти.
7. Олар Қудайдың сандығын Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Арбаға жегилген өгизлерди Узза менен Ахйо жетеклеп жүрди.
8. Ал Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Қудайдың алдында қосықлар айтып, лира, арфа, дәп, кимбал ҳәм кәрнай шертип, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.
9. Олар Кидонның қырман жерине жеткенде, өгизлер сүрнигип кетти ҳәм қулап кетпеўи ушын Узза қолын созып, сандықты услады.
10. Сонда Уззаға қарсы Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм сандыққа қолын созғаны ушын, оны өлтирди. Узза сол жерде, Қудайдың алдында жан тапсырды.
11. Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол себепли сол жер ҳәзирге дейин Перес-Узза, яғный «Уззаның қыйратылыўы» деп аталады.
12. Даўыт сол күни Қудайдан қорқып: «Қудайдың сандығын жаныма қалай алып келе аламан?» – деди.
13. Сол күни Даўыт сандықты өзиниң жанына, Даўыттың қаласына алып бармай, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды.
14. Қудайдың сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсени жарылқады.
1. Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге сарай қурылысы ушын кедр ағашларын, тас қалаўшыларды ҳәм ағаш усталарын жиберди.
2. Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израил патшасы етип тастыйықлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын уллы даңққа еристиргенин түсинди.
3. Даўыт Ерусалимде және бир неше ҳаяллар алды ҳәм олардан да ул- қызлар көрди.
4. Даўыттың Ерусалимде туўылған перзентлериниң атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
5. Ибхар, Элишуа, Элпелет,
6. Ногаҳ, Нефег, Яфиа,
7. Элишама, Белияда, Элифелет.
8. Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт оларды қарсы алыўға шықты.
9. Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына шабыўыл жасады.
10. Даўыт Қудайдан: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған тәслим етемен, – деди.
11. Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Қудай душпанларымды мениң қолым менен қыйратып таслады», – деди. Сол себептен ол жерге Баал-Перасим аты берилди.
12. Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыттың буйрығы бойынша, бутлар жағып жиберилди.
13. Көп өтпей, филистлер қайтадан сол ойпатлыққа шабыўыл жасады.
14. Даўыт және Қудайдан сорады ҳәм Қудай оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Оларды айланып өтип, арт жағынан, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
15. Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, оларға ҳүжимге өт. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан».
16. Даўыт Қудайдың буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гибоннан Гезерге дейин қыйратып барды.
17. Солай етип, Даўыттың даңқы дөгеректеги еллердиң ҳәммесине жайылды. Жаратқан Ийе барлық халықларды оннан қорқатуғын қылды.
1. Даўыт өз аты менен аталған қалаға өзи ушын үйлер салдырды. Ол Қудайдың Келисим сандығы ушын да бир орын таярлап, шатыр қурды.
2. Кейин Даўыт: «Қудайдың Келисим сандығын тек ғана лебийлилер көтерип жүреди. Өйткени Жаратқан Ийе сандықты алып жүриў ҳәм мәңгиге Өзине хызмет етиў ушын лебийлилерди таңлап алды», – деди.
3. Даўыт Жаратқан Ийениң сандығын өзи таярлаған жерге алып келиў ушын, пүткил Израил халқын Ерусалимге жыйнады.
4. Кейин төменде аты аталған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады:
5. Қоҳат урпағынан: басшы Уриелди ҳәм оның бир жүз жигирма ағайинин;
6. Мерарий урпағынан: басшы Асаяны ҳәм оның еки жүз жигирма ағайинин;
7. Гершом урпағынан: басшы Иоелди ҳәм оның бир жүз отыз ағайинин;
8. Элисафан урпағынан: басшы Шемаяны ҳәм оның еки жүз ағайинин;
9. Хеброн урпағынан: басшы Элиелди ҳәм оның сексен ағайинин;
10. Уззиел урпағынан: басшы Амминадабты ҳәм оның бир жүз он еки ағайинин.
11. Соннан кейин, Даўыт руўханийлер Садоқ пенен Абиятарды, лебийлилер Уриел, Асая, Иоел, Шемая, Элиел ҳәм Амминадабты шақырып алып,
12. оларға былай деди: «Сизлер лебийлилердиң тийре басшыларысыз. Сонлықтан лебийли туўысқанларыңыз бенен бирге тазаланыў рәсиминен өтиңлер. Кейин Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын мен таярлаған орынға алып келиңлер.
13. Өткен сапар сандықты сизлер, лебийлилер көтерип жүрмегениңиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге ғәзебин шашқан еди. Сонда бизлер оны қағыйдаға сай, қалай алып жүриў кереклигин Қудайдан сорамаған едик».
14. Солай етип, руўханийлер менен лебийлилер Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын алып келиў ушын, өзлерин тазаланыў рәсиминен өткерди.
15. Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша, лебийлилер Қудайдың сандығының қадаларын ийинлерине қойып, көтерип жүрди.
16. Даўыт лебийлилердиң басшыларына туўысқанлары арасынан арфа, лира ҳәм кимбал саз әсбаплары ҳаўазы астында қуўанышлы қосықлар айтатуғын қосықшыларды тайынлаўды тапсырды.
17. Лебийлилер Иоел улы Ҳеманды, оның туўысқанларынан Берехия улы Асафты ҳәм Мерарий урпағынан Қушая улы Этанды тайынлады.
18. Олардан кейинги екинши дәрежеге туўысқанларынан мыналар тайынланды: Зехария, Бен, Язиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Беная, Маасея, Маттития, Элифелеҳу, Микнея, сондай-ақ, дәрўаза қараўыллары Обед-Эдом ҳәм Еиел.
19. Сазенделер Ҳеман, Асаф ҳәм Этанға қоладан исленген кимбалды даңғырлатыў,
20. Зехария, Азиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Маасея ҳәм Бенаяға арфаны жоқарғы даўыста шертиў,
21. ал Маттития, Элифелеҳу, Микнея, Обед-Эдом, Еиел ҳәм Азазияға төменги даўыста лира шертип, сазда жетекшилик етиў тапсырылды.
22. Лебийлилердиң басшысы Кенания қосықшыларға жуўапкер болды, себеби ол бул истиң маманы еди.
23. Берехия менен Элқана Келисим сандығына қараўыл етип тайынланды.
24. Шебания, Иошафат, Нетанел, Амасай, Зехария, Беная, Элиезер атлы руўханийлер Қудайдың Келисим сандығының алдында кәрнай шертип туратуғын болды. Обед-Эдом менен Ехия да Келисим сандығын қараўыллап туратуғын болды.
25. Солай етип, Даўыт, Израил ақсақаллары ҳәм мыңбасылар Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Обед-Эдомның үйинен алып келиў ушын қуўанышлы түрде жолға шықты.
26. Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған лебийлилерге Қудайдың Өзи яр болғанлықтан, жети буға менен жети қошқар қурбанлыққа шалынды.
27. Даўыт ҳәм сандықты көтерип алып киятырған лебийлилер, қосықшылар ҳәм қосықшылардың басшысы Кенания ҳасыл зығырдан тигилген кийим кийген еди. Буның сыртынан Даўыт зығыр эфод та кийип алған еди.
28. Усылайынша, пүткил Израил халқы ҳәр түрли кәрнайлар, кимбал, арфа ҳәм лира намасы астында қуўанышлы түрде бақырысып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған еди.
29. Жаратқан Ийениң Келисим сандығы Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол патша Даўыттың секирип ойнап киятырғанын көрип, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.
1. Қудайдың Келисим сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишине қойылды. Соңынан лебийлилер Қудайға жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди.
2. Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийениң аты менен халыққа пәтия берди.
3. Кейин ол пүткил израиллыларға – ҳәр бир еркек ҳәм ҳәр бир ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты.
4. Даўыт лебийлилердиң айырымларын Жаратқан Ийениң сандығы алдында хызмет етип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарыныў ҳәм Оны тәрийиплеп, алғыс-мақтаў айтыў ушын тайынлады.
5. Олардың басшысы Асаф, оның жәрдемшиси Зехария, кейингилери Еиел, Шемирамот, Ехиел, Маттития, Элиаб, Беная, Обед-Эдом ҳәм Еиел еди. Олар арфа ҳәм лира шертиўи, Асаф болса бәлент даўыслы кимбал,
6. ал руўханий Беная менен Яхазиел Қудайдың Келисим сандығының алдында ҳәр күни белгиленген ўақытта кәрнай шертиўи тийис болды.
7. Сол күни Даўыт биринши рет Асафқа ҳәм оның туўысқанларына Жаратқан Ийеге арнап, мына алғыслаў жырын айтыўды тапсырды:
8. «Жаратқан Ийени алғыслаң, Оның атын айтып, шақырың, Халықлар арасында жәриялаң Оның ислерин!
9. Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың, Баян етиң барлық кәраматларын!
10. Оның мухаддес аты менен мақтаның, Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11. Жаратқан Ийени ҳәм Оның күшин излең, Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12. Ол ислеген кәраматларды, Әжайып ислери менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин умытпаң!
13. Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары, Ол таңлап алған Яқыптың балалары!
14. Ол – бизлердиң Қудайымыз, Жаратқан Ийе! Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15. Ол Өз келисимин мәңгиге есте сақлар, Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин ҳасла умытпас,
16. Ибрайым менен дүзген келисимин де, Ысаққа берген антын да ҳасла умытпас!
17. Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады, Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18. „Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип, Кенаан жерин саған беремен“, – деди.
19. Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди, Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20. Олар бир халықтан екиншисине, Бир патшалықтан екиншисине көшип-қонып жүрген еди.
21. Бирақ Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады, Ҳәтте, олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22. „Мениң майлағанларыма тиймеңлер, Пайғамбарларыма жаманлық қылмаңлар!“ – деди.
23. Ҳәй, пүткил дүнья, алғыслар айтың Жаратқан Ийеге! Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
24. Жәриялаң салтанатын миллетлерге, Кәраматларын пүткил халықларға!
25. Өйткени Жаратқан Ийе уллы, Ол мақтаўға ең ылайықлы, Барлық қудайлардан айбатлысы ҳәм қорқынышлысы Ол.
26. Халықлардың барлық қудайлары жалған, Ал Жаратқан Ийе аспанды жаратқан.
27. Салтанат ҳәм уллылық Оның алдында, Қүдирет ҳәм қуўаныш Оның мәканында.
28. Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң, Жаратқан Ийениң уллылығын, күшин мақтаң!
29. Жаратқан Ийениң уллылығын атына ылайықлы түрде мақтаң, Қурбанлықлар алып, Оның алдына кириң! Мухаддес салтанатына бөленип, Жаратқан Ийеге сыйының!
30. Ҳәй, пүткил жер, Оның алдында қалтыраң! Дүнья беккем орнатылған, ол тербелмейди.
31. Аспан қуўанып, жер шадлансын, Миллетлер арасында: „Жаратқан Ийе патшалық етип атыр!“ – деп айтылсын
32. Теңиз ҳәм ондағылар шуўлассын! Дала ҳәм ондағылар байрамласын!
33. Сонда тоғай ағашлары шадланып, Жаратқан Ийениң алдында қосық айтар. Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиўге келер.
34. Жаратқан Ийени тәрийиплең, себеби Ол ийгиликли, Садықлығы мәңги даўам етеди.
35. Оған былай деңлер: „Қутқарыўшымыз Қудай, бизлерди қутқар, Бизлерди жыйнап, басқа халықлардан азат ет. Мухаддес атыңды тәрийиплеп, Уллылығың менен мақтанайық“.
36. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге, Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыслар болсын!» Пүткил халық: «Аўмийин!» – деп, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.
37. Даўыт Асафты ҳәм оның ағайинлерин Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында болып, сол жерде ҳәр күнги мүтәжликлерге қарай бәрқулла хызмет етиў ушын бекитти.
38. Олар менен бирге хызмет етиўи ушын Обед-Эдомды ҳәм оның алпыс сегиз лебийли ағайинин де тайынлады. Едутунның улы Обед-Эдом менен Хоса дәрўаза қараўыллары болды.
39. Даўыт руўханий Садоқ пенен оның руўханий туўысқанларын Гибондағы сыйыныў орнына қурылған Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына хызметке қойды.
40. Олар Жаратқан Ийениң Израилға берген Нызамында жазылған барлық қағыйдаларға сай, ҳәр күни таңда ҳәм кеште жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлықлар беретуғын болды.
41. Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң садықлығының мәңги даўам ететуғынын тәрийиплеў ушын тайынлады.
42. Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс- мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды.
43. Соннан кейин, пүткил халық өз үйлерине тарқасты. Даўыт та өз шаңарағындағыларға пәтия бериў ушын, үйине қайтты.
1. Даўыт сарайына жайғасып алғаннан кейин, Натан пайғамбарға: – Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман. Ал Жаратқан Ийениң Келисим сандығы болса, шатырда тур! – деди.
2. Натан Даўытқа: – Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң. Себеби Қудай сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
3. Бирақ сол күни түнде Натанға Қудайдан мынадай сөз түсти:
4. «Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмайсаң.
5. Израил халқын Мысырдан алып шыққан күннен баслап, бүгинге дейин Мен үйде жасамадым. Ал шатырдан-шатырға, ана жерден мына жерге көшип жүрдим.
6. Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“»
7. Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым.
8. Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан.
9. Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды.
10. Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери, залымлар оларды езип келмекте. Мен барлық душпанларыңызды бойсындыраман. Жаратқан Ийең болған Мен саған өзиң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жарататуғынымды билдиремен.
11. Сен өлип, ата-бабаларыңның жанына атланғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен.
12. Мен ушын үйди ол қурады. Ал Мен болсам, оның тахтын мәңгилик қылып орнатаман.
13. Мен оған Әке боламан, ол Маған ул болады. Сеннен алдын болған патшадан мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман.
14. Мен оны Өз үйимниң ҳәм патшалығымның үстинен мәңгиге қояман. Оның тахты мәңги беккем болады“».
15. Солай етип, Натан аян арқалы берилген бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.
16. Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «Қудай, Жаратқан Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң шаңарағым да не болыпты?
17. Қудай, Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай, Жаратқан Ийе, Сен маған уллы бир адам сыяқлы қарадың!
18. Қулыңа иззет-ҳүрмет көрсеткениң ушын, мен Саған басқа не айта аламан! Өйткени Сен қулыңды билесең.
19. Жаратқан Ийе! Қулыңның ийгилиги ушын ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти ислеп, уллы ўәделерди ашық билдирдиң.
20. Жаратқан Ийе, өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ!
21. Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың. Сен Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан басқа халықларды қуўып жиберип, уллы ҳәм таң қаларлық ислериң арқалы Өз атыңды уллылыққа еристирдиң.
22. Сен халқың Израилды мәңгиге Өз халқың қылдың ҳәм Өзиң, Жаратқан Ийе олардың Қудайы болдың.
23. Енди, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңди мәңгиге тастыйықлап, сөзиңди орынлай гөр.
24. Солай етип, адамлар: „Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы!“ – десин ҳәм атың мәңги турып, уллылансын. Қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.
25. Қудайым! Сен маған мен ушын бир үй – патшалық жарататуғыныңды аян қылдың. Сонлықтан қулың Сениң алдыңда дуўа етиўге жүрек етти.
26. Жаратқан Ийе, Сен Қудайсаң! Қулыңа усы ийгиликли нәрселерди ўәде еттиң.
27. Өзиңниң алдыңда мәңгиге болыўы ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўды мақул таптың. Жаратқан Ийе, оны жарылқағаның ушын, ол мәңгиге жарылқанатуғын болады».
1. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды. Гат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды филистлердиң қолынан тартып алды.
2. Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Олар Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды.
3. Және де, Соба патшасы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын бекитиўге барғанда, Даўыт оған Хаматқа дейин шабыўыл жасап, жеңип шықты.
4. Даўыт оның мың саўаш арбасын, жети мың атлы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5. Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
6. Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын жайластырды. Олар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
7. Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
8. Және де, Ҳададезердиң қол астындағы Тибхат ҳәм Кун қалаларынан көп муғдарда қола алды. Кейин ала, Сулайман буны Ибадатхана ушын ҳаўыз, сүтинлер ҳәм ҳәр қыйлы буйымлар ислетиў ушын қолланды.
9. Хамат патшасы Тоў Даўыттың Соба патшасы Ҳададезердиң пүткил ордасын жеңип шыққанынан хабар тапты.
10. Сонда Тоў өз улы Ҳадорамды сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын Даўыт патшаға жиберди. Себеби Тоў Ҳададезер менен узақ ўақыт даўамында урысып киятырған еди. Ҳадорам Даўытқа алтын, гүмис ҳәм қоладан исленген ҳәр түрли саўғалар алып келди.
11. Патша Даўыт бул саўғаларды барлық миллетлерден – эдом, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келген гүмис ҳәм алтын менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12. Серуя улы Абишай Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды қырғынға ушыратты.
13. Даўыт Эдомға сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы оған бағынышлы болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
14. Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти.
15. Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы болды.
16. Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, ал Шаўша хаткер еди.
17. Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың сәркәрдасы еди. Даўыттың уллары да патшаның бас хызметкерлери болды.
1. Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды.
2. Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил билдириў ушын Ханунға елшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда,
3. аммон басшылары Ханунға: «Даўыт мына елшилерди әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген», – деди.
4. Сонда Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына дейин қыйдырып таслап, оларды изине қайтарып жиберди.
5. Солай етип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6. Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен атлыларды жаллап алыў ушын мың талант гүмис жиберди.
7. Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды.
8. Даўыт буны еситип, Иоаб басшылығында мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил ордасын оларға қарсы атландырды.
9. Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды.
10. Иоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды.
11. Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Олар аммонларға қарсы сап тартып турды.
12. Иоаб: «Арамлар меннен басым келсе, жәрдемге келерсең. Ал егер аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман.
13. Батыр бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүрес алып барайық! Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин», – деди/
14. Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты.
15. Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Иоабтың иниси Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин, Иоаб Ерусалимге қайтып келди.
16. Арамлар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Евфрат дәрьясының арғы жағасындағы арамларға елшилер жиберип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шофахтың қол астындағы арамларды шақырды/
17. Буннан хабар тапқан Даўыт пүткил Израил ордасын топлады. Кейин Иордан дәрьясын кесип өтип, оларға қарсы әскерлерин сапқа турғызды. Даўыт арамларға ҳүжимге өтип, олар менен урысты.
18. Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети мың саўаш арбасының арбакешлери менен қырық мың пияда әскерин өлтирди. Ол олардың ордасының сәркәрдасы Шофахты да өлтирди.
19. Ҳададезердиң қол астындағы патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Даўыт пенен тынышлық келисимин дүзди ҳәм оған бағынышлы болды. Соннан кейин, арамлар аммонларға жәрдем бериўден бас тартатуғын болды.
1. Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Иоаб әскерлерин баслап жолға шықты. Олар аммонлардың елин ўайран етип, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыт Ерусалимде қалған еди. Иоаб Рабба қаласына ҳүжим жасап, оны жер менен жексен етти.
2. Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты.
3. Ол қала халқын сыртқа шығарып, оларды жарғы, шөккиш ҳәм балта менен исленетуғын жумысларды ислеўге мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Буннан кейин, Даўыт пүткил әскерлерин ертип, Ерусалимге қайтты.
4. Бир қанша ўақыт өткеннен соң, Гезерде филистлер менен урыс басланды. Бул саўашта хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Сиппайды өлтирди. Сонда филистлер бас ийди.
5. Филистлер менен болған басқа саўашта, Яир улы Элханан гатлы Голияттың туўысқаны Лахмийди өлтирди. Лахмийдиң найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.
6. Кейинирек Гат қаласында және бир саўаш болып, ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди.
7. Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионатан оны өлтирди.
8. Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы адамлар да Гаттағы дәў әўладларынан еди.
1. Шайтан Израилға қарсы шығып, Даўытты Израил халқын санақтан өткериўге ийтермеледи.
2. Сонда Даўыт Иоабқа ҳәм ләшкербасыларға: – Барып, Беер-Шебадан Данға дейинги израиллыларды санақтан өткизип, олардың қанша екенин билиўим ушын нәтийжесин маған алып келиң, – деди.
3. Бирақ Иоаб: – Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, олардың ҳәммеси сизиң қулларыңыз емес пе? Неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? Не ушын Израилды гүнаға батырмақшысыз? – деди.
4. Деген менен, патшаның сөзи Иоабтың сөзинен үстин келди. Солай етип, Иоаб кетти ҳәм пүткил Израилды аралап шығып, Ерусалимге қайтып келди.
5. Иоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Пүткил Израилда урысқа жарамлы бир миллион бир жүз мың, ал Яҳудада төрт жүз жетпис мың адам бар екен.
6. Иоаб патшаның буйрығына наразы болғанлығы себепли, лебийлилер менен беняминлилерди есапқа киргизбеди.
7. Бул буйрық Қудайға да унамады ҳәм Ол Израил халқын жазалады.
8. Сонда Даўыт Қудайға: «Бул исти ислеп, мен үлкен гүнаға баттым. Жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр. Мен қатты ақмақлық қылдым», – деди.
9. Жаратқан Ийе Даўыттың ўәлийи Гадқа былай деди:
10. «Барып, Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен“».
11. Гад Даўытқа барып былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Мыналардан бирин таңла:
12. үш жыл ашлық болсын ба? Үш ай душпанларың қуўдалап, сени қырсын ба? Ямаса Жаратқан Ийениң қылышы болған оба кеселлиги Оның периштеси арқалы пүткил Израил елин қырғынға ушыратсын ба?» Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң.
13. Даўыт Гадқа: – Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими жүдә күшли, – деп жуўап берди.
14. Солай етип, Жаратқан Ийе Израил халқына оба кеселин жиберди ҳәм халықтан жетпис мың адам өлди.
15. Қудай Ерусалимди жоқ етиў ушын бир периштесин жиберди. Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди қыра баслағанда, Жаратқан Ийе болып атырған апатты көрип, ашынып кетти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Орнанның қырман жеринде турған еди.
16. Даўыт басын көтергенде, қолындағы жалаңашланған қылышын Ерусалим тәрепке созып, жер менен аспан арасында турған Жаратқан Ийениң периштесин көрди. Сонда аза кийимин кийген Даўыт пенен халық ақсақаллары ет-бетинен жерге жығылды.
17. Даўыт Қудайға жалбарынып: «Халқыңды санақтан өткериўди буйырған мен емеспен бе? Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлар не қылыпты? Қудайым, Жаратқан Ийе! Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала. Бирақ халқыңның оба кеселлигинен қырылып кетиўине жол қойма», – деди.
18. Сонда Жаратқан Ийениң периштеси пайғамбар Гадқа: «Ебус халқынан болған Орнанның қырманына барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурсын», – деген хабарды Даўытқа жеткериўди буйырды.
19. Даўыт Жаратқан Ийениң Гад арқалы берген буйрығы бойынша жолға шықты.
20. Қырманда бийдайын айдатып атырған Орнан артына қарағанда, периштени көрди. Сонда оның қасындағы төрт улы жасырынып алды.
21. Сол ўақытта Даўыт Орнанға жақынлап киятырған еди. Орнан Даўытты көргенде, қырманнан шықты да, ет-бетинен жерге жығылып, Даўытқа тәжим етти.
22. Даўыт Орнанға: – Мына қырман турған жерди маған бер. Халыққа келген оба кеселлиги тоқтаў ушын, мен бул жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қураман. Қырман турған жерди маған толық қунына сат, – деди.
23. Орнан Даўытқа: – Ала бериң! Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны ислең. Мине, өгизлерди жандырылатуғын қурбанлық ушын, түйек айдайтуғын ағашты отын ушын ҳәм бийдайды ғәлле садақасы ушын беремен. Булардың ҳәммесин беремен, – деп жуўап берди.
24. Бирақ патша Даўыт Орнанға: – Яқ, болмайды! Буларды толық қунын төлеп, сатып аламан. Саған тийисли нәрселерди Жаратқан Ийеге усынбайман. Тегин нәрсени жандырылатуғын қурбанлық етип усынбайман, – деди.
25. Солай етип, Даўыт бул жер ушын Орнанға алты жүз шекел алтын төледи.
26. Даўыт сол жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе қурбанлық орындағы жандырылатуғын қурбанлыққа аспаннан от жиберип, оған жуўап берди.
27. Буннан кейин, Жаратқан Ийе периштеге қылышын қынабына салып қойыўды буйырды. Периште буйрықты орынлады.
28. Даўыт ебус халқынан болған Орнанның қырманында Жаратқан Ийениң өзине жуўап бергенин көргенде, ол жерде қурбанлықлар шалды.
29. Шөлде Жаратқан Ийеге арнап Муўса қурдырған шатыр ҳәм жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын қурбанлық орын сол ўақытта Гибондағы сыйыныў орнында еди.
30. Бирақ Даўыт Жаратқан Ийениң периштесиниң қылышынан қорққанлықтан, Қудайдың еркин билиў ушын ол жерге бара алмады.
1. Сонда Даўыт: «Қудай Ийениң Ибадатханасы да, Израил ушын жандырылатуғын қурбанлық орын да усы жерде болады», – деди.
2. Даўыт Израилда жасайтуғын келгиндилердиң ҳәммесин жыйнаўды буйырды. Қудайдың Ибадатханасын қурыў ушын, олардың арасынан тасларды кесетуғын ҳәм жонатуғын адамларды тайынлады.
3. Даўыт дәрўаза есиклериниң шегелери ҳәм қазық шегелер ушын көп муғдарда темир таярлап қойды. Таярланған қоланың да көплиги соншелли, оның салмағын анықлаў мүмкин емес еди.
4. Және де, ол сансыз кедр ағашын да жыйнап қойды. Өйткени сидонлылар менен тирлилер Даўытқа көп муғдарда кедр ағашын әкелген еди.
5. Даўыт: «Улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал Жаратқан Ийеге арнап қурылатуғын Ибадатхана жүдә саўлатлы болып, даңқы барлық халықларға жайылыўы керек. Сонлықтан оның қурылысы ушын таярлық көрип қоя берейин», – деди. Солай етип, Даўыт өлмесинен алдын Ибадатхана қурыў ушын үлкен таярлықлар көрди.
6. Даўыт улы Сулайманды қасына шақырып алды ҳәм оған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана қурыўды тапсырып,
7. былай деди: «Улым, мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап, Ибадатхана қурыўды қәлеген едим.
8. Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Сен үлкен саўашларда қатнасып, көп қан төктиң. Мениң алдымда жерге көп қан төккениң ушын, Мениң атыма арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң.
9. Бирақ сеннен тынышлықты сүйетуғын бир ул туўылады. Мен оны дөгерегиндеги барлық душпанларынан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Оның аты Сулайман болады. Оның дәўиринде Израилға тынышлық ҳәм аман-есенлик инам етемен.
10. Мениң атыма арнап Ибадатхананы ол қурады. Ол Маған ул болады, Мен де оған Әке боламан. Оның Израил үстинен қуратуғын патшалық тахтын мәңгиге беккемлеймен“.
11. Енди, улым, Жаратқан Ийе саған яр болсын! Өзи саған ўәде еткениндей, Қудай Ийеңе арнап Ибадатхана қурғаныңда, сени табысқа еристирсин.
12. Жаратқан Ийе сени Израилға ҳүкимдар етип қойғанда, Қудайың Жаратқан Ийениң Нызамына әмел қылыўың ушын, Ол саған ақыл-парасат берсин.
13. Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израилға берген қағыйда ҳәм нызамларын муқыятлы түрде орынлаўға тырыссаң, табысқа ерисесең. Күшли ҳәм мәрт бол! Қорқпа, руўхың түспесин!
14. Мен көп машақатлар менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын жүз мың талант алтын, бир миллион талант гүмис, өлшеп болмас дәрежеде көп қола менен темир, және де, ағаш пенен тас та жыйнап, таярлап қойдым. Буларға сен де қосарсаң.
15. Сенде көп жумысшылар: тас жоныўшылар, тас қалаўшылар, ағаш усталары, ҳәр түрли өнерге ийе адамлар,
16. алтын, гүмис, қола ҳәм темирди ислете алатуғын сансыз өнерментлер бар. Енди иске кирис. Жаратқан Ийе саған яр болсын!»
17. Даўыт Израилдың барлық басшыларына улы Сулайманға жәрдем бериўди буйырып,
18. былай деди: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес пе? Сизлерди ҳәр тәреплеме тынышлыққа бөлемеди ме? Ол усы жердиң турғынларын маған тәслим қылды. Сол себепли бул жер Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқына бағынышлы болды.
19. Енди жүрегиңизди ҳәм жаныңызды Қудайыңыз Жаратқан Ийени излеўге бағышлаңлар. Қудай Ийениң Ибадатханасын қурыўды баслаңлар. Кейин Жаратқан Ийениң Келисим сандығын ҳәм Қудайға бағышланған басқа мухаддес буйымларды Жаратқан Ийениң атына арнап қурылған Ибадатханаға апарып қойыңлар», – деди.
1. Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.
2. Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады.
3. Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен.
4. Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы ҳәмелдар лаўазымларға ҳәм қазылық исине,
5. төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў хызметине қойылсын».
6. Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.
7. Гершонның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.
8. Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Иоел.
9. Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди.
10. Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди.
11. Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.
12. Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.
13. Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди. Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды.
14. Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.
15. Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.
16. Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.
17. Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.
18. Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.
19. Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
20. Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.
21. Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.
22. Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.
23. Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды,
24. Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди.
25. Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти.
26. Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди.
27. Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.
28. Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди.
29. Олар усынылатуғын нанларға, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды.
30. Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийени тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди.
31. Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.
32. Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.
1. Харон урпақлары мынадай топарларға бөлинди. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар.
2. Бирақ Надаб пенен Абиҳу әкесинен бурын, ул көрмей өлип кеткенликтен, тек Элазар менен Итамар руўханий болды.
3. Даўыт Харон урпақларын орынлайтуғын хызметлери бойынша топарларға бөлди. Бул исте оған Элазар урпағынан Садоқ ҳәм Итамар урпағынан Ахимелех жәрдем берди.
4. Элазар урпақлары арасында әўлад басшылары Итамар урпақларына қарағанда көбирек болып шықты. Сонлықтан Элазар урпақлары он алты топарға, Итамар урпақлары сегиз топарға бөлинди.
5. Элазар урпақлары арасында да, Итамар урпақлары арасында да Мухаддес орынға ҳәм Қудайдың алдындағы баслы хызметлерге жуўапкер болған басшылар бар еди. Сол себепли хызметлер ҳеш кимди жақламастан, шек таслаў жолы менен бөлип берилди.
6. Лебийли Нетанел улы хаткер Шемая патшаның ҳәм халық басшыларының, руўханий Садоқтың, Абиятар улы Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслаўдың жуўмағын жазып барды. Шек бойынша, Элазар урпақларынан бир шаңарақтан, Итамар урпақларынан бир шаңарақтан гезекпе-гезек алынды.
7. Биринши шек Еҳоярибке, Екиншиси Едаяға түсти.
8. Үшинши шек Харимге, Төртиншиси Сеоримге,
9. Бесиншиси Малкияға, Алтыншысы Мияминге,
10. Жетиншиси Ҳаққосқа, Сегизиншиси Абияға,
11. Тоғызыншысы Ешуаға, Оныншысы Шеканияға,
12. Он бириншиси Эляшибке, Он екиншиси Якимге,
13. Он үшиншиси Хуппаға, Он төртиншиси Ешебабқа,
14. Он бесиншиси Билгаға, Он алтыншысы Иммерге,
15. Он жетиншиси Хезирге, Он сегизиншиси Ҳапписсеске,
16. Он тоғызыншысы Петахияға, Жигирмаланшысы Ехезкелге,
17. Жигирма бириншиси Яхинге, Жигирма екиншиси Гамулға,
18. Жигирма үшиншиси Делаяға, Жигирма төртиншиси Маазияға түсти.
19. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, бабасы Харон оларға қағыйдалар берген еди. Жаратқан Ийениң Үйине киргенде, олардың хызметиниң белгиленген тәртиби соған тийкарланған еди.
20. Лебийлилердиң басқа урпақлары мыналар: Амрамның улларынан Шубаел, Шубаелдиң улларынан Ехдея.
21. Рехабия улларынан туңғышы Ишшия.
22. Исҳардың урпақларынан Шеломит. Шеломиттиң улларынан Яхат.
23. Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
24. Уззиелдиң улы: Миха. Миханың улы: Шамир.
25. Миханың туўысқаны: Ишшия. Ишшияның улы Зехария.
26. Мерарийдиң уллары: Махлий, Муший ҳәм Язия.
27. Мерарийдиң урпақларынан Язияның уллары: Шоҳам, Заккур ҳәм Ибри.
28. Махлийден Элазар туўылды. Элазардың улы болмады.
29. Киштиң урпағынан Ерахмеел.
30. Мушийдиң уллары: Махлий, Эдер ҳәм Еримот. Лебий урыўынан болған әўладлар усылар еди.
31. Олар да туўысқанлары Харонның урпақлары сыяқлы, патша Даўыттың, Садоқтың, Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслап, өз ўазыйпаларын белгилеп алды. Шек таслағанда, үлкен улдың шаңарағы менен кишкене улдың шаңарағының ҳуқықы теңдей болды.
1. Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхланып қосық айтыў ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў:
2. Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди.
3. Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития – жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийени тәрийиплейтуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди.
4. Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Иошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот.
5. Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди.
6. Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды.
7. Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди.
8. Олар үлкен-киши, устаз- шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады.
9. Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
10. Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
11. Төртинши шек Исрийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
12. Бесинши шек Нетанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
13. Алтыншы шек Буккияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
14. Жетинши шек Есарелаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
15. Сегизинши шек Ийшаяға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
16. Тоғызыншы шек Маттанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
17. Оныншы шек Шимейге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
18. Он биринши шек Азарелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
19. Он екинши шек Хашабияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
20. Он үшинши шек Шубаелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
21. Он төртинши шек Маттитияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
22. Он бесинши шек Еремотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
23. Он алтыншы шек Хананияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
24. Он жетинши шек Иошбеқашаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
25. Он сегизинши шек Хананийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
26. Он тоғызыншы шек Маллотийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
27. Жигирмаланшы шек Элиатаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
28. Жигирма биринши шек Ҳотирге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
29. Жигирма екинши шек Гиддалтийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
30. Жигирма үшинши шек Махазиотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
31. Жигирма төртинши шек Ромамтий-Эзерге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
1. әрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды: Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия.
2. Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел,
3. бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай.
4. Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Иоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел,
5. алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди.
6. Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды.
7. Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди.
8. Олардың барлығы Обед- Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди.
9. Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди.
10. Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады.
11. Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди.
12. Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди.
13. Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды.
14. Шығыс тәрептеги дәрўазаға тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди.
15. Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал ғәллехана оның улларына түсти.
16. Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллехет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти. Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди.
17. Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, еки ғәллеханада еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды.
18. Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды.
19. Қорах ҳәм Мерарий урпақларынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.
20. Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды.
21. Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий.
22. Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Иоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады.
23. Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди:
24. Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды.
25. Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Иорам, Иорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди.
26. Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды.
27. Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди.
28. Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Иоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.
29. Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израил халқы ушын бий ҳәм қазы етип тайынланды.
30. Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды.
31. Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды.
32. Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.
1. Төменде Израил халқының әўлад басшылары, мыңбасылары, жүзбасылары ҳәм патшалық ислерин алып баратуғын олардың басқарыўшыларының дизими берилген. Олар ҳәр бири жигирма төрт мың адамнан ибарат болған, гезек пенен жылына бир ай хызмет ететуғын әскерий топарларға жуўапкер болды.
2. Биринши ай ушын қойылған биринши бөлимге Забдиел улы Яшобам басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
3. Яшобам Перестиң урпағынан болып, ол биринши айда хызмет ететуғын барлық әскербасыларға басшы болды,
4. Екинши ай ушын қойылған екинши бөлимге ахохлы Додай басшылық етти. Миклот оның сәркәрдасы болды. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
5. Үшинши ай ушын қойылған үшинши бөлимге руўханий Еҳояданың улы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
6. Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди.
7. Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди.
8. Бесинши ай ушын қойылған бесинши бөлимге израхлы Шамҳут басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
9. Алтыншы ай ушын қойылған алтыншы бөлимге теқоалы Иккеш улы Ира басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
10. Жетинши ай ушын қойылған жетинши бөлимге Эфрайым урыўынан пелонлы Хелес басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
11. Сегизинши ай ушын қойылған сегизинши бөлимге Зерах урпағынан хушалы Сиббехай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
12. Тоғызыншы ай ушын қойылған тоғызыншы бөлимге Бенямин урыўынан анатотлы Абиезер басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
13. Оныншы ай ушын қойылған оныншы бөлимге Зерах урпағынан нетофалы Маҳарай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
14. Он биринши ай ушын қойылған он биринши бөлимге Эфрайым урыўынан пиратонлы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
15. Он екинши ай ушын қойылған он екинши бөлимге Отниелдиң урпағынан нетофалы Хелдай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
16. Израил урыўларын басқаратуғын көсемлер мыналар болды: Рубен урыўын Зихрий улы Элиезер, Шимон урыўын Мааха улы Шефатия,
17. Лебий урыўын Кемуел улы Хашабия, Харонның урпақларын Садоқ,
18. Яҳуда урыўын Даўыттың әжағасы Элиҳу, Иссахар урыўын Михаил улы Омрий,
19. Зебулон урыўын Обадия улы Ишмая, Нафталий урыўын Азриел улы Еримот,
20. Эфрайым урыўын Азазия улы Ҳошеа, Менашше урыўының ярымын Педая улы Иоел,
21. Гиладтағы Менашше урыўының басқа ярымын Зехария улы Иддо, Бенямин урыўын Абнер улы Ясиел,
22. Дан урыўын Ерохам улы Азарел басқаратуғын болды. Израил урыўларының көсемлери усылар еди.
23. Даўыт жигирма ҳәм оннан төмен жастағыларды санамады. Себеби Жаратқан Ийе Израилды аспандағы жулдызлар киби көп қылыўға ўәде берген еди.
24. Серуя улы Иоаб та халықты санақтан өткериўди баслағаны менен, оны ақырына жеткермеген еди. Сол санақтың кесиринен Жаратқан Ийе Израилға ғәзебин шашқан еди. Сонлықтан санақтың нәтийжеси Даўыт патшаның жылнама китабына киргизилмеди.
25. Патшаға тийисли қазналарға қараў Адиел улы Азмаўетке, ал қала әтирапындағы, қалалардағы, аўыллардағы ҳәм минаралардағы қазналарға қараў Уззия улы Ионатанға тапсырылды
26. Егислик жерлерди тәрбиялайтуғын дийханларға Келуб улы Эзрий,
27. жүзим бағларына рамалы Шимей, жүзим бағларындағы шарап сақланатуғын орынларға шифамлы Забдий,
28. батыстағы таў етеклериндеги зәйтүн ҳәм жабайы әнжир ағашларына гедерли Баал-Ханан, зәйтүн майы сақланатуғын орынларға Иоаш,
29. Шаронда отлайтуғын малларға шаронлы Шитрай, ойпатлықларда бағылатуғын малларға Адлай улы Шафат,
30. түйелерге Исмайыл урпағынан Обил, ешеклерге меронотлы Ехдея,
31. майда малларға Ажар урпағынан Язиз жуўапкер еди. Булардың ҳәммеси Даўыт патшаның мал-мүлки үстинен қарайтуғын хызметкерлер еди.
32. Даўыттың әкесиниң туўысқаны Ионатан мәсләҳәтши болды. Ол дана мәсләҳәтши ҳәм хаткер еди. Хахмон улы Ехиел патшаның улларының тәрбияшысы болды.
33. Ахитофел патшаның мәсләҳәтшиси, ал Арк тийресинен болған Хушай патшаның досты еди
34. Ахитофелден кейин, оның орнын Беная улы Еҳояда менен Абиятар ийеледи. Иоаб патшаның ордасының сәркәрдасы еди.
1. Даўыт Израилдағы барлық ҳәмелдарларды – урыў басшыларын, патшаның хызметиндеги әскерий бөлимлердиң басшыларын, мыңбасыларды, жүзбасыларды, патшаға ҳәм оның улларына тийисли мүликлерди ҳәм сүриўлерди қадағалаўшыларды, сарай хызметкерлерин, әҳмийетли адамларды ҳәм барлық мәрт жаўынгерлерди Ерусалимге жыйнады.
2. Даўыт патша аяққа турып, оларға былай деди: «Туўысқанларым ҳәм халқым, мени тыңлаңлар! Қудайдың аяқ қойғышы болған Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ушын турақлы орын болатуғын бир Ибадатхана қурмақшы едим. Қурылыс ушын таярлық та көрдим.
3. Бирақ Қудай маған: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурмайсаң. Себеби сен көп урысып, қан төккен адамсаң“, – деди.
4. Деген менен, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе мениң урпақларымның мәңгиге Израилда патша болыўы ушын, әкемниң пүткил нәсили арасынан мени таңлады. Ол Яҳуданы басшы етип таңлады ҳәм Яҳуда урыўынан әкемниң шаңарағын, ал әкемниң уллары арасынан мени таңлап, пүткил Израилдың патшасы қылыўды мақул тапты.
5. Жаратқан Ийе маған көп уллар берип, олардың арасынан Израил үстинен Жаратқан Ийениң патшалық тахтында отырыўы ушын улым Сулайманды таңлады.
6. Жаратқан Ийе маған былай деди: „Мениң Ибадатханамды ҳәм ҳәўлилеримди улың Сулайман қурады. Өйткени Мен оны Өзиме ул етип таңладым. Мен де оған Әке боламан.
7. Егер ол Мениң буйрық ҳәм нызамларымды ҳәзиргидей булжытпай орынлайтуғын болса, оның патшалығын мәңгиге беккемлеймен“.
8. Енди Қудайымыздың алдында ҳәм Жаратқан Ийениң жәмийети болған Израил халқының көзи алдында сизлерге тапсыраман: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар. Сонда сизлер усы берекетли жерди мәңгиге ийелеп, әўладларыңызға мәңгиге мийрас етип бересизлер.
9. Ал сен, улым Сулайман, әкеңниң Қудайын танып бил ҳәм шын жүректен, жан-тәниң менен Оған хызмет ет. Себеби Жаратқан Ийе ҳәр бир жүректи сынайды ҳәм барлық ой-қыялларды түсинеди. Егер Оны излесең, сен Оны табасаң. Бирақ сен Оны тәрк етсең, Ол сеннен мәңгиге жүз бурады.
10. Қулақ сал! Мухаддес мәкан болған Ибадатхананы қурыў ушын Жаратқан Ийе сени таңлаған екен, сен де мәрт болып иске кирис!»
11. Кейин Даўыт Ибадатхананың айўанының, оның имаратларының, затлар сақланатуғын бөлмелериниң, жоқарғы қабатының, ишки бөлмелериниң ҳәм гүнадан пәкленетуғын орынның сызылмасын улы Сулайманға берди.
12. Даўыт Мухаддес Руўх арқалы өзине аян болған барлық сызылмаларды: Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлиси менен дөгерегиндеги барлық бөлмелердиң, Қудайдың Ибадатханасының ғәзийнеханаларының, бағышланған саўғалар қойылатуғын бөлмелердиң сызылмаларының барлығын Сулайманға тапсырды.
13. Даўыт Сулайманға руўханийлер менен лебийлилердиң топарларына, олардың Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы барлық хызметлерине ҳәм хызметте қолланылатуғын барлық буйымларға байланыслы көрсетпелер берди,
14. Ол ҳәр түрли хызметлерде қолланылатуғын алтын ҳәм гүмис буйымларды ислетиўге керек болған алтын ҳәм гүмистиң муғдарын да белгилеп қойды:
15. ҳәр бир шыра ҳәм ҳәстениң пайдаланылатуғын хызметине қарай, ҳәр бир алтын ҳәсте менен оның шыралары ушын қанша алтын, ҳәр бир гүмис ҳәсте менен оның шыралары ушын қанша гүмис кететуғынын айтты.
16. Сондай-ақ, усынылған нанлар қойылатуғын столлар ушын кететуғын алтынның, гүмис столлар ушын кететуғын гүмистиң,
17. шанышқы, қан себетуғын табақлар, гүзе ушын кететуғын сап алтынның, ҳәр бир алтын тостаған ушын жумсалатуғын алтынның, ҳәр бир гүмис тостаған ушын ислетилетуғын гүмистиң,
18. түтетки түтетилетуғын орын ушын кететуғын сап алтынның мөлшерин билдирди. Буннан тысқары, Даўыт оған арбаның, яғный қанатларын жайып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын жаўып туратуғын алтын керублардың сызылмасын да берди.
19. Даўыт: «Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң көрсетпеси бойынша жазылып, жобаластырылды. Ол маған жобаны толық түсиниўге қәбилет берди», – деди.
20. Кейин Даўыт улы Сулайманға былай деди: «Мәрт ҳәм батыр болып, иске кирис! Қорқпа, руўхың түспесин. Себеби Қудай Ийе, яғный мениң Қудайым сениң менен бирге. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының барлық ислери тамам болмағанша, Ол сени таслап та қоймайды, тәрк те етпейди.
21. Мине, руўханийлер менен лебийлилердиң топарлары Қудайдың Ибадатханасындағы ҳәр қандай жумыс ушын таяр тур. Ҳәр түрли тараўдың шебер өнерментлери болған қәлеўшилер саған жәрдем береди. Ал басшылар менен пүткил халық сениң буйрықларыңа бойсынады».
1. Даўыт патша пүткил жәмийетке былай деди: «Қудай таңлап алған улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал қылынатуғын ис жүдә үлкен. Себеби бул имарат адам ушын емес, ал Қудай Ийе ушын салынады.
2. Қудайымның Ибадатханасы ушын қолымнан келгенинше алтын буйымлар ушын алтын, гүмис буйымлар ушын гүмис, қола буйымлар ушын қола, темир буйымлар ушын темир, ағаш буйымлар ушын ағаш, және де, оникс, қаснаққа қойылатуғын таслар, периўза, ҳәр түрдеги реңли таслар, сондай- ақ, қымбатбаҳа таслар менен мрамордың ҳәмме түрлерин жыйнадым.
3. Булардан тысқары, Қудайымның Ибадатханасына болған ықласым себепли, өзимниң жеке қазнамдағы алтын менен гүмисти де Қудайымның Ибадатханасына беремен. Оларды бул мухаддес Ибадатхана ушын өзим таярладым.
4. Мен берип атырған үш мың талант Офир алтыны менен жети мың талант сап гүмис Ибадатхананың дийўалларын қаплаў,
5. барлық алтын ҳәм гүмис буйымларды ислеў ушын ҳәм өнерментлердиң барлық ислеринде қолланылсын. Және де, ким бүгин өзин Жаратқан Ийеге бағышлап, Оған өз ықтыяры менен садақа бериўди қәлейди?»
6. Сонда әўлад басшылары, Израилдың урыў басшылары, мыңбасылар, жүзбасылар ҳәм патшаның ислерин басқаратуғын хызметкерлер ықтыярлы садақалар берди.
7. Олар Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын бес мың талант алтын менен он мың дарик алтын, он мың талант гүмис, он сегиз мың талант қола ҳәм жүз мың талант темир саўға қылды.
8. Баҳалы таслары бар адамлар оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазнасына, Гершонның урпағынан болған Ехиелдиң қолына тапсырды.
9. Халық өз басшыларының ықтыярлы түрде берген сыйлары ушын қуўанды. Өйткени олар Жаратқан Ийеге шын жүректен ықтыярлы түрде садақалар берип атырған еди. Даўыт патша да қатты қуўанды.
10. Даўыт пүткил жәмийеттиң көз алдында Жаратқан Ийени алғыслап, былай деди: «Бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11. Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ, Жеңис ҳәм салтанат Сеники. Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники. Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе! Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12. Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер. Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў, Сениң қолыңда.
13. Енди, Қудайымыз, Сени тәрийиплеп, Әжайып атыңа алғыс-мақтаўлар айтамыз.
14. Бирақ Саған ықтыярлы садақалар бере алатуғындай, мен киммен, халқым ким болыпты? Ҳәр бир нәрсе Сеннен шығады, бизлер тек Сениң қолыңнан алғанларымызды ғана Саған берип атырмыз.
15. Сениң алдыңда бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы, жат жерли келгиндимиз. Жер жүзиндеги өмиримиз көлеңке сыяқлы өткинши ҳәм үмитсиз.
16. Қудайымыз, Жаратқан Ийе, мухаддес атыңа арнап Ибадатхана қурыў ушын бизлер таярлаған мына ағыл-тегил байлықты Сениң қолыңнан алғанбыз, ҳәммеси Сеники.
17. Қудайым, мен Сениң жүректи сынайтуғыныңды ҳәм ҳадаллықты унататуғыныңды билемен. Мына нәрселердиң ҳәммесин мен шын жүректен ықтыярлы түрде бердим. Ҳәзир усы жерде турған халқыңның да Саған ықтыярлы садақалар берип атырғанын қуўаныш пенен көрип турман.
18. Жаратқан Ийе, бабаларымыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы! Халқыңның бул қәлеўин мәңгиге олардың жүрегинде сақлап, жүреклерин Өзиңе садық қәлпинде сақлап қала гөр!
19. Улым Сулайманға да Сениң буйрықларыңа, қарарларыңа ҳәм қағыйдаларыңа бойсыныўы ушын, және де мен керекли затларды таярлап қойған Ибадатхананы қурыўы ушын садық жүрек бере гөр!»
20. Соңынан Даўыт пүткил жәмийетке: «Қудайыңыз Жаратқан Ийени алғыслаңлар!» – деди. Солай етип, ҳәммеси ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени алғыслады, Қудайдың ҳәм патшаның алдында басларын ийип, тәжим етти.
21. Келеси күни халық Жаратқан Ийеге арнап, мың бас буға, мың бас қошқар, мың тоқлы шалып, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Буларға қоса, ишимлик садақаларын да усынды. Пүткил израиллылар ушын басқа да көп қурбанлықлар берилди.
22. Сол күни израиллылар үлкен қуўаныш пенен Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеди. Кейин, Даўыттың улы Сулайманды екинши мәрте патша деп тастыйықлады. Сулайманды Жаратқан Ийениң алдында майлап, ҳүкимдар, ал Садоқты майлап, руўханий етип қойды.
23. Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың орнына патша болып, Жаратқан Ийениң берген тахтына отырды. Ол табыслы болып, пүткил Израил оған бойсынды.
24. Барлық басшылар, батырлар ҳәм Даўыттың уллары патша Сулайманға бағынды.
25. Жаратқан Ийе пүткил Израилдың көз алдында Сулайманды уллы мәртебели қылды ҳәм оны бурынғы Израилдағы патшалардың ҳеш бири ерисе алмаған салтанатқа бөледи.
26. Ишай улы Даўыт пүткил Израил үстинен патшалық етти.
27. Оның Израил үстинен патшалық еткен ўақты қырық жыл болып, жети жыл Хебронда, отыз үш жыл Ерусалимде патшалық етти.
28. Даўыт өмирдиң рәҳәтин көрип, байлыққа ҳәм иззет-ҳүрметке толы күнлерди бастан кеширди ҳәм мазмунлы узақ өмир сүрип, бул дүньядан көз жумды. Оның орнына улы Сулайман патша болды.
29. Даўыт патшаның патшалық қурған дәўириндеги ислеген ислери басынан аяғына шекем көзи ашық Самуелдиң, пайғамбар Натанның, ўәлий Гадтың қол жазбаларында жазылған.
30. Бул жазбалар Даўыттың патшалығы дәўириндеги ислер, оның қүдирети, оның басынан кеширген ўақыялары, Израилда ҳәм дөгеректеги барлық еллерде болған ўақыялар туўралы баян етеди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.