Мухаддес Китап

2 Жылнама

1. Даўыт улы Сулайман өз патшалығын беккемлеп алды. Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, мәртебесин жүдә жоқарылатты.
2. Бир күни Сулайман пүткил Израил халқын – мыңбасыларды, жүзбасыларды, бийлерди, Израилдың барлық көсемлерин ҳәм әўлад басшыларын шақыртты.
3. Сулайман жыйналғанларды ертип, Гибон қаласындағы сыйыныў орнына жол алды. Қудайдың Ушырасыў шатыры сол жерде болып, оны Жаратқан Ийениң қулы Муўса шөлде тиккен еди.
4. Даўыт Қудайдың Келисим сандығын қойыў ушын Ерусалимде бир шатыр тигип, сандықты Кирят-Яримнен сол шатырға алып барған еди.
5. Бирақ Хурдың ақлығы Урийдиң улы Бесалел қурған қоладан исленген қурбанлық орын еле Гибондағы Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының алдында турған еди. Сулайман ҳәм жыйналған халық Қудайдың еркин билиў ушын сол жерге барды.
6. Сулайман Жаратқан Ийениң алдында Ушырасыў шатырының алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға көтерилип, онда мың бас малды жандырып қурбанлыққа берди.
7. Сол түни Қудай Сулайманға көринип, оған: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен! – деди.
8. Сулайман Қудайға былай деди: – Әкем Даўытқа үлкен жақсылық ислеп, мени оның орнына патша етип қойдың.
9. Енди Қудайым, Жаратқан Ийе, әкем Даўытқа берген ўәдеңди орынла! Ақыры, Сен мени жердиң шаңындай көп болған халық үстинен патша етип қойдың.
10. Бул халықты басқара алыўым ушын, маған даналық ҳәм билим бер. Болмаса, бул уллы халқыңа ким ҳүкимдарлық қыла алады?
11. Қудай Сулайманға былай деди: – Демек жүрегиңниң қәлеўи усы. Сен байлық, мал-мүлик, даңқ-атақ яки душпанларыңа өлим тилемедиң, ҳәтте, өзиң ушын узақ өмир де сорамадың. Қайтама, сени патша етип қойған халқымды басқарыў ушын даналық ҳәм билим сорадың.
12. Сонлықтан саған даналық ҳәм билим бериледи. Буған қоса, саған дейинги ҳеш бир патша көрмеген ҳәм сеннен кейин де ҳеш бир патша көрмейтуғын байлық, мал-мүлик ҳәм даңқ-атақ беремен.
13. Сулайман Гибондағы Ушырасыў шатыры орналасқан сыйыныў орнынан Ерусалимге келди ҳәм Израил үстинен ҳүкимдарлық қыла баслады.
14. Сулайман саўаш арбалары менен атларды көбейтти. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары сақланатуғын қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
15. Патша Ерусалимде гүмис пенен алтынды әпиўайы тасларға тең қылып қойды, ал кедр ағашын батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашы сыяқлы мол етти.
16. Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди.
17. Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил хеттлер менен арамлардың патшаларына сатылатуғын еди.
1. Сулайман Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана ҳәм өзи ушын бир сарай қурыўды буйырды.
2. Ол жүк тасыў ушын жетпис мың, таўларда тас кесиў ушын сексен мың ҳәм оларды қадағалаў ушын үш мың алты жүз адам белгиледи.
3. Сулайман Тир патшасы Хирамға былай деп айтыў ушын адамларын жиберди: «Әкем Даўыт өзи жасаў ушын сарай салдырғанда жиберген кедр бөренелеринен маған да жиберсеңиз.
4. Ҳәзир мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып, Ибадатхананы Оған бағышламақшыман. Сол жерде Оның алдында хош ийисли түтеткилер түтетилип, ҳәрдайым усынылған нанлар турыўы керек. Және де, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийе белгилеген байрамларда жандырылатуғын қурбанлықлар усынылыўы тийис. Бул рәсимлер Израил ушын мәңги қағыйда болады.
5. Қудайымыз басқа барлық қудайлардан уллы болғанлығы себепли, Мен қуратуғын Ибадатхана да аса уллы болады.
6. Бирақ көклер, ҳәтте, көклердиң көклери Оны сыйғыза алмағанда, Оған арнап Ибадатхана қурыўға кимниң шамасы жетеди? Оған арнап үй қуратуғындай, мен ким болыппан? Тек Оның алдында қурбанлықларды өртеп усыныў ушын бир орын қурмақшыман.
7. Сол себепли маған алтын, гүмис, қола ҳәм темирден зат ислеўде, шым қызыл, қырмызы ҳәм қызғыш көк реңли жиплерден зат тоқыўда ҳәм оймашылықта шебер уста болған бир адам жиберсеңиз. Ол әкем Даўыт жетистирген шебер усталар менен бирге Яҳудада ҳәм Ерусалимде жумыс ислесин.
8. Маған Лебанон таўларынан кедр, сәрўи ҳәм сапалы арша ағашларын да жиберсеңиз. Себеби адамларыңыздың Лебанондағы ағашларды кесиўге уқыплы екенин билемен. Мениң адамларым сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди.
9. Олар маған жүдә көп муғдарда ағаш кесип берсин. Өйткени мен қуратуғын Ибадатхана зәўлим ҳәм салтанатлы болыўы керек.
10. Мен ағашларды кесетуғын адамларыңызға жигирма мың кор женшилген бийдай, жигирма мың кор арпа, жигирма мың бат шарап ҳәм жигирма мың бат зәйтүн майын жиберемен».
11. Тир патшасы Хирам Сулайманға хат арқалы былай деп жуўап берди: «Жаратқан Ийе Өз халқын сүйгенликтен, сизди патша етип қойды».
12. Хирам хатын былай даўам етти: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол патша Даўытқа Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана, өзи ушын сарай салатуғын дана, ақыллы ҳәм парасатлы ул инам етипти.
13. Сизге Хурам-Абий деген ақыллы ҳәм шебер бир адамды жиберемен.
14. Оның анасы Дан урыўынан, ал әкеси тирли. Хурам-Абий алтын, гүмис, қола, темир, тас ҳәм ағаш пенен, шым қызыл, қызғыш көк ҳәм қырмызы реңли жиплер, және ҳасыл зығыр менен жумыс ислей алады. Ол оймашылықтың ҳәмме түрлерине уста болып, қәлеген буйыртпаңызды орынлай алады. Ол сизиң шеберлериңиз ҳәм әкеңиз мырзам Даўыттың шеберлери менен ислейди.
15. Енди мырзам, өзиңиз айтқан бийдай, арпа, зәйтүн майы ҳәм шарапты қулларыңызға жиберсеңиз.
16. Бизлер де Лебанон тоғайларынан сизге керекли ағашларды кесип, бир-бирине байлап сал соғып, теңиз арқалы Яфоға жеткерип беремиз. Сиз ағашларды сол жерден Ерусалимге алып кетерсиз».
17. Әкеси Даўыт жүргизген сол санақтан кейин, Сулайман да Израилда жасайтуғын барлық шет еллилердиң есабын алды. Олардың саны бир жүз елиў үш мың алты жүз болды.
18. Олардың жетпис мыңын жүк тасыўшы, сексен мыңын таўларда тас кесиўши, ал үш мың алты жүзин жумысшылар үстинен қадағалаўшы етип белгиледи.
1. Сулайман Ерусалимдеги Мория таўында, ебуслы Орнанның қырман жеринде Ибадатхана қурылысын баслады. Бул жерди әкеси Даўыт алдын ала таярлап қойған болып, ол жерде Жаратқан Ийе Даўытқа көринген еди.
2. Сулайман қурылысты өз патшалығының төртинши жылының екинши айының екинши күни баслады.
3. Қудайдың Ибадатханасының иргетасының өлшеми ески өлшем бирлиги бойынша мынадай болды: узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ еди.
4. Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, бийиклиги бир жүз жигирма шығанақ еди. Сулайман Ибадатхананың ишин сап алтын менен қаплатты.
5. Оның үлкен бөлмесиниң дийўалларын сәрўи тахташалар менен, олардың үстин сап алтын менен қаплатты. Алтынның бетине пальма ағашлары менен шынжыр нағысларын ойдырып салдырды.
6. Ол Ибадатхананы қымбатбаҳа таслар менен әшекөйлетти. Ол қолланған алтын Парўайым жеринен алып келинген еди.
7. Сулайман Ибадатхананың төбесиндеги өрелерди, қапының дөгерек ағашын, дийўалларын ҳәм қапыларын алтын менен қаплатып, дийўалларға керублардың сүўретлерин ойып салдырды.
8. Ол Ең мухаддес бөлмени де қурдырды. Оның узынлығы да жигирма шығанақ, ени де жигирма шығанақ болып, Ибадатхананың ени менен бирдей өлшемде еди. Сулайман бул бөлмениң ишин алты жүз талант жақсы алтын менен қаплатты.
9. Онда қолланылған алтын шегелердиң аўырлығы елиў шекел еди. Жоқарғы бөлмелердиң дийўаллары да алтын менен қапланды.
10. Ең мухаддес бөлме ушын еки керубтың мүсинин ислетип, оларды алтын менен қаплатты.
11. Керублардың қанатларының улыўма узынлығы жигирма шығанақ еди. Бир керубтың бир қанаты бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың бир дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол екинши керубтың қанатына тийип турды.
12. Сол сыяқлы, екинши керубтың да бир қанатының узынлығы бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың екинши дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол биринши керубтың қанатына тийип турды.
13. Керублардың жайылған қанатларының узынлығы жигирма шығанақ болды. Еки керуб та тик аяқта турған қәлипте исленип, жүзлери үлкен бөлмеге қарап турды.
14. Сулайман қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм жиңишке ҳасыл зығыр жиплерден таўар тоқытты ҳәм олардың бетине керублардың сүўретлерин кестелетип, шымылдық ислетти.
15. Сулайман еки өре ислетип, оларды Ибадатхананың алдына қойдырды. Ҳәр бир өрениң бийиклиги отыз бес шығанақ, ал олардың үстиндеги төбелигиниң ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.
16. Ол ҳалқа сыяқлы оралып туратуғын шынжырлар ислетип, олар менен өрениң жоқарысын безеди. Және, ол жүз дана анар мийўесин ислетип, оларды шынжырларға илдиртти.
17. Өрелерди Ибадатхананың алдына: биреўин қубла тәрепине, екиншисин арқа тәрепине қойдырып, қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.
1. Сулайман қоладан қурбанлық орын да ислетти. Оның узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ, бийиклиги он шығанақ еди.
2. Кейин қоланы еритип, үлкен ҳаўыз қуйдырды. Оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, бийиклиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди.
3. Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип буғалардың көринислери қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
4. Ҳаўыз он еки буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди.
5. Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Оған үш мың бат суў сыятуғын еди.
6. Сулайман он ләген ислетип, оның бесеўин қубла тәрепке, бесеўин арқа тәрепке қойды. Буларда жандырылатуғын қурбанлықлар жуўылатуғын еди. Ал ҳаўызда руўханийлер жуўынатуғын еди.
7. Сулайман берилген көрсетпелер бойынша он алтын ҳәсте ислетип, олардың бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды.
8. Кейин ол он стол соқтырып, оның бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. Және алтыннан жүз дана қан себетуғын табақ та ислетти.
9. Ол руўханийлер ушын ҳәўли ҳәм үлкен ҳәўли қурдырып, ҳәўлилер ушын қапылар ислетти ҳәм қапыларды қола менен қаплатты.
10. Ҳаўызды Ибадатхананың қубла-шығыс тәрепине қойдырды.
11. Буннан кейин Хурам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хурам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Қудайдың Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
12. еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелигин орап турған еки торлы әшекөй,
13. өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
14. түбелдириклер ҳәм түбелдирик үстине ләгенлер,
15. ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға,
16. күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, шанышқылар. Хурам-Абийдиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын патша Сулайманға ислеп берген ҳәмме буйымлары жылтыратылған қоладан исленди.
17. Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Середа арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
18. Сулайман ислеткен буйымлар соншелли көп болғанлықтан, олар ушын кеткен қоланың өлшеми анықланбады.
19. Сулайман Қудайдың Ибадатханасы ушын төмендеги затларды ислетти: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын, үстинде усынылған нанлар туратуғын столлар,
20. қағыйдаға муўапық, Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда жанып турыўы ушын, сап алтыннан ҳәстелер ҳәм олардың шыралары,
21. сапалы алтыннан исленген гүллер, шыралар ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышлар,
22. сап алтыннан пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, лаўабы кеселер, шоқ салынатуғын ыдыслар. Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ҳәм үлкен бөлмениң қапылары да алтыннан исленди.
1. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған барлық ислерди тамамлағаннан кейин, әкеси Даўыт атаған ҳәмме нәрсени: гүмис, алтын ҳәм басқа затларды әкелип, Қудайдың Ибадатханасының қазналарына қойды.
2. Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды.
3. Ҳәмме израиллылар жетинши айдағы байрам ўақтында патшаның алдына жыйналды.
4. Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, лебийлилер сандықты жерден көтерип алды.
5. Руўханийлер менен лебийлилер Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды.
6. Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети сандықтың алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды.
7. Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды.
8. Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды.
9. Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур.
10. Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Мысырдан шыққанда Жаратқан Ийе бул таўда израиллылар менен келисим дүзген еди.
11. Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шықты. Ол жердеги барлық руўханийлер қайсы топарға тийисли болыўына қарамастан, тазаланыў рәсиминен өткен еди.
12. Барлық лебийли сазенделер: Асаф, Ҳеман, Едутун, олардың уллары ҳәм ағайинлери жуқа ҳасыл зығырдан кийим кийип алған еди. Олар кимбал, арфа ҳәм лира шертип қурбанлық орынның шығыс жағында турған еди. Олардың жанында кәрнай шалатуғын бир жүз жигирма руўханий турды.
13. Кәрнайшылар менен қосықшылар биригип, бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтып, Оны тәрийипледи. Кәрнай, кимбал ҳәм басқа саз әсбапларына қосылып қосықшылар: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңгилик!» – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Сонда бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды.
14. Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Қудайдың Ибадатханасын толтырып турған еди.
1. Сонда Сулайман былай деди: «Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң.
2. Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».
3. Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди.
4. Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди:
5. „Халқымды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыўы ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Сондай- ақ халқым Израилды басқарыў ушын да бирде бир адамды таңламадым.
6. Бирақ енди Мен атыма арнап Ибадатхана қурыў ушын Ерусалимди, ал халқымды басқарыў ушын Даўытты таңлап алдым“
7. Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди,
8. Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет.
9. Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди.
10. Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым.
11. Сондай-ақ, ишинде Жаратқан Ийениң Израил халқы менен дүзген келисими турған сандықты усы Ибадатхананың ишине қойдым».
12. Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып дуўа етти.
13. Қоладан узынлығы да, ени де бес шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған бир сыпа ислетип, оны ҳәўлиниң ортасына қойдырған болып, Сулайман сол сыпаға минип турған еди. Ол пүткил Израил жәмийети алдында дизерлеп отырып, қолларын көклерге жайып,
14. былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең.
15. Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың.
16. Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң Нызамларыма әмел қылып, жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң.
17. Израилдың Қудайы, енди Өз қулың Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
18. Расында да, Қудай жер бетинде адамлар арасында жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?!
19. Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал.
20. Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит.
21. Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
22. Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе,
23. Сен оларға көклерден қулақ салып, тыңлап, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
24. Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса,
25. онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды өзлерине және ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
26. Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса,
27. онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр.
28. Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса ямаса кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе,
29. сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, қайғырып, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса,
30. Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең.
31. Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын ҳәм бәрқулла Сениң жолың менен жүрсин.
32. Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң уллы атың, қүдиретли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, узақ елден келсе ҳәм усы Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
33. көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
34. Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған дуўа етсе,
35. көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
36. Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, жақын ямаса узақ бир елге алып кетсе,
37. олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса,
38. өзлери тутқынға алынып, сүргин қылынған елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
39. көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. Саған қарсы гүна ислеген халқыңды кешире гөр.
40. Енди Қудайым, нәзериң бизлерде болсын ҳәм усы жерде айтылатуғын дуўаларымызға қулақ сала гөр!
41. Қудай, Жаратқан Ийе! Көтерил енди Өзиң жасайтуғын жерге, Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге. Қудай Ийе! Руўханийлериң қутқарыўға бөленсин, Садық қулларың жақсылығыңнан шад болсын.
42. Қудай Ийе! Өз майлағаныңнан ўаз кешпе, Қулың Даўытқа көрсеткен жақсылығыңды есте сақла!»
1. Сулайман дуўа етип болыўдан-ақ, аспаннан от түсип, жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықларды жалмап кетти. Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырды.
2. Жаратқан Ийениң салтанатының Өз Ибадатханасын толтырғаны соншелли, руўханийлер Ибадатханаға кире алмады.
3. Пүткил Израил халқы аспаннан түскен отты ҳәм Ибадатхана үстиндеги Жаратқан Ийениң салтанатын көргенде, тас төселген алаңда ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти ҳәм: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңгилик», – деп тәрийипледи.
4. Соңынан патша ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
5. Патша Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлыққа шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил халық Қудайдың Ибадатханасын бағышлады.
6. Руўханийлер өз хызмет орынларын ийеледи. Лебийлилер де Жаратқан Ийени тәрийиплеў ушын патша Даўыт соқтырған саз әсбапларын қолларына алып турды. Даўыттың өзи де: «Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп тәрийиплегенде, усы әсбаплардан пайдаланған еди. Лебийлилердиң қарсысында турған руўханийлер кәрнайларын шалды, пүткил Израил халқы тик аяқта турған еди.
7. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени өзи қоладан ислеткен қурбанлық орынға жандырылатуғын қурбанлықлар менен ғәлле садақалары ҳәм де татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
8. Сол ўақытта Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерде жасайтуғын пүткил Израил халқы Қос байрамын жети күн нышанлады.
9. Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс өткерди. Олар жети күн даўамында қурбанлық орынды бағышлаў рәсиминен өткергеннен кейин, жети күн байрамды нышанлаған еди.
10. Жетинши айдың жигирма үшинши күни Сулайман халықты үйлерине қайтарды. Жаратқан Ийениң Даўытқа, Сулайманға ҳәм Өз халқы Израилға ислеген жақсылықларына қуўанып, олардың жүреклери толып- тасты.
11. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин табыслы тамамлағаннан соң,
12. түнде Жаратқан Ийе оған және көринип, былай деди: «Мен сениң дуўаларыңды еситтим ҳәм бул жерди Өзиме қурбанлық шалынатуғын Ибадатхана қылып таңладым.
13. Егер Мен жаўын жаўмасын деп аспанды жаўып тасласам, яки шегирткелерге жер бетиндегилерди жеп таслаўды буйырсам, яки халқыма оба жиберсем,
14. сонда Мениң атым менен аталатуғын халқым Маған тәўбе қылып, дуўа етсе, Маған жүз бурып, жаман жолларынан қайтса, онда Мен аспаннан оларға қулақ саламан. Олардың гүналарын кеширип, жерлерин шыпалайман.
15. Буннан былай, усы жерде қылынатуғын дуўаларға нәзеримди саламан, қулақларым түриўли болады.
16. Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, усы Ибадатхананы таңлап алып, мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
17. Саған келсек, Мениң алдымда әкең Даўытқа уқсап жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң,
18. онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, патшалық тахтыңды мәңгиге туратуғын қыламан.
19. Бирақ егер сизлер жолымнан тайып, берген қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз,
20. онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етип, оны пүткил халықлар арасында әпсанаға айландырып, күлкиге қалдыраман.
21. Сонда ҳәзир зәўлим болып турған мына Ибадатхананың жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады.
22. Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».
1. Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди.
2. Соның менен бирге Сулайман өзине Тир патшасы Хирам берген қалаларды да қайта қурып, оларға израиллыларды орналастырды.
3. Сулайман Хамат-Соба патшалығына жүрис қылып, оны да қолға киргизди.
4. Ол шөлдеги Тадмор қаласын ҳәм Хамат елиндеги барлық телеклери бар қалаларды қурып питкерди.
5. Жоқарғы ҳәм төменги Бейт- Хорон қалаларын қайта салып, дийўал менен қоршап, тәмбиленетуғын дәрўаза қурды.
6. Сондай-ақ, Баалат қаласын, өзине тийисли барлық телеклери бар қалаларды, барлық саўаш арбалары ҳәм атлары сақланатуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Солай етип, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды.
7. Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди.
8. Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алды. Бул ҳәзир де даўам етпекте.
9. Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды өзине әскер, әскербасылар, арбалы әскерлердиң басшылары етип қойды.
10. Сулайман патшаның халықты басқарып турған еки жүз елиў қадағалаўшысы да израиллылардан еди.
11. Сулайман: «Ҳаялым Израил патшасы Даўыттың сарайында турмаўы керек. Себеби Жаратқан Ийениң Келисим сандығы турған жер – мухаддес», – деп, фараонның қызын Даўыттың қаласынан ол ушын салдырған сарайға көширди.
12. Сулайман Ибадатхананың айўанының алдына қурылған қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар усынатуғын еди.
13. Ол бул қурбанлықларды Муўсаның ҳәр күн ушын белгилеп берген қағыйдасына муўапық, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында, жылдың үш байрамында: Ашытқысыз нан байрамы, Ҳәптелер байрамы ҳәм Қос байрамы күнлери усынатуғын еди.
14. Сулайман әкеси Даўыттың буйрығы бойынша, руўханийлерди топарлары бойынша хызметлерге қойды. Лебийлилерди болса алғыс-мақтаў айтыў ҳәм күнделикли ислерде руўханийлерге жәрдемлесиў хызметине қойды. Дәрўаза қараўылларын да топарлары бойынша дәрўазаларға бөлип қойды. Себеби Қудайдың адамы Даўыт усылай буйырған еди.
15. Патшаның руўханийлерге, лебийлилерге, сондай-ақ қазнаға байланыслы берген буйрықлары булжытпай орынланды.
16. Сулайман ислеўди қәлеген ислер, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының негизин қойған күннен ол тамамланғанға шекемги ислер толық орынланды. Солай етип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурып болынды.
17. Патша Сулайман Эдом жеринде, теңиз жағасында жайласқан Эсион- Гебер ҳәм Элат қалаларына барды.
18. Патша Хирам Сулайманға теңизди жақсы билетуғын адамлары менен бирге кемелерин жиберди. Олар Сулайманның кемешилери менен бирге Офирге барып, ол жерден патша Сулайманға төрт жүз елиў талант алтын әкелип берди.
1. Шеба ҳаял патшасы Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын, хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап Ерусалимге келди. Ол кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти.
2. Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди.
3. Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди.
4. Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм олардың кийимлерин, оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
5. Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
6. Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше, сол сөзлерге инанбаған едим. Маған сизиң даналығыңыздың ярымын да айтпаған екен. Сиз еситкенимнен де артық екенсиз.
7. Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады.
8. Сизге кеўли толып, сизди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын патша етип Өз тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Қудайыңыз Израилды мәңгиге беккемлеў ушын, оны сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
9. Шеба ҳаял патшасы Сулайман патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде сапалы хош ийисли затлар ҳеш қашан алып келинген емес.
10. Хирам менен Сулайманның Офирден алтын алып келген адамлары да сол жерден сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди.
11. Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын текшелер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин Яҳуда елинде бундай сапалы арша ағашын ҳеш ким ҳеш қашан көрмеген еди.
12. Сулайман Шеба ҳаял патшасына өзиниң әкелгенинен де көбирек саўғалар берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.
13. Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди.
14. Буннан тысқары, усақлап сатыўшылар, саўдагерлер ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлери Сулайманға алтын ҳәм гүмис алып келетуғын еди.
15. Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел алтын жумсалды.
16. Және алтыннан ҳәр бири үш жүз шекел келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
17. Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты.
18. Тахттың алты текшедеги ҳәм тахтқа бекитилген алтын табан тирегиши бар еди. Тахттың отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини бар еди.
19. Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди.
20. Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди.
21. Теңизде Хирамның адамларының басшылығында Сулайманның Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир мәрте қайтып келетуғын ҳәм сонда алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
22. Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды.
23. Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, жер бетиндеги барлық патшалар оны көриўге қуштар еди.
24. Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
25. Сулайманның атлары менен саўаш арбаларына арналған төрт мың қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
26. Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегарасына дейинги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти.
27. Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды.
28. Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм басқа барлық үлкелерден алып келинетуғын еди.
29. Сулайманның басқа ислери басынан ақырына дейин, Натан пайғамбардың тарийх китабында, шилолы Ахия пайғамбардың пайғамбаршылықларында ҳәм ўәлий Иддоның Набат улы Яробам туўралы көрген аяны баян етилген жазыўларда жазылған.
30. Сулайман Ерусалимде пүткил Израил үстинен қырық жыл патшалық етти.
31. Кейин Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.
1. Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди.
2. Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, Мысырдан қайтты.
3. Израиллылар Яробамды шақыртты. Яробам пүткил израиллылар менен бирге Рехабамға келип:
4. – Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5. Рехабам оларға: – Үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6. Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7. Ақсақаллар оған: – Егер сиз бул халыққа жыллы шырай көрсетип, кеўлин алып, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8. еген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жаслар менен кеңесип,
9. олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10. Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ.
11. Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12. Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди.
13. Патша ақсақаллардың кеңесине қулақ аспай, оларға қатал жуўап берди.
14. Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен оны және де аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди.
15. Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийениң шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлери орынланыўы ушын Қудай усылай иследи.
16. Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди: «Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар, Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ. Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар! Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!» Усыларды айтып, израиллылар ҳәммеси өз үйлерине қайтып кетти.
17. Бирақ Рехабам Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға патшалық етиўин даўам етти.
18. Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Ҳадорамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти.
19. Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.
1. Рехабам Ерусалимге барды да, Израил менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады.
2. Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
3. «Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, Яҳуда ҳәм Бенямин жериндеги барлық израиллыларға былай деп айт:
4. Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Яробамға қарсы урысыўдан ўаз кешип, изине қайтты.
5. Рехабам Ерусалимде жасады ҳәм қорғаныў ушын Яҳудадағы мына қалаларды дийўаллар менен қоршады:
6. Бейтлеҳем, Этам, Теқоа,
7. Бейт- Сур, Сохо, Адуллам,
8. Гат, Мареша, Зиф,
9. Адорайым, Лахиш, Азеқа,
10. Сора, Айялон ҳәм Хеброн. Булар Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалалар еди.
11. Рехабам усы қалалардың бекинислерин күшейтип, бекинислерге әскербасылар қойды ҳәм оларда азық-аўқат, зәйтүн майы ҳәм шарап сақланатуғын орынлар қурды.
12. Ҳәр бир қаланы үлкен қалқан ҳәм найзалар менен тәмийинлеп, қорғаныўды беккемледи. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўлары Рехабамның қол астында қалды.
13. Израилдың барлық аймақларындағы руўханийлер менен лебийлилер Рехабамның қасына топланды.
14. Лебийлилер, ҳәтте, өз жайлаўлары менен мал-мүликлерин таслап, Яҳуда ҳәм Ерусалимге көшип келди. Себеби Яробам менен оның уллары оларды руўханий болып, Жаратқан Ийеге хызмет етиўден шетлеткен еди.
15. Яробам теке ҳәм тана мүсинлерин ислетип сыйыныў орынларына қойды ҳәм ол жерлерге хызмет етиў ушын өз руўханийлерин тайынлады.
16. Израилдың барлық урыўларындағы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылғанлар өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, руўханийлер менен лебийлилерге ерип, Ерусалимге келди.
17. Олар Яҳуда патшалығын беккемледи ҳәм үш жыл даўамында Даўыт пенен Сулайманның жолы менен жүрип, Сулайманның улы Рехабамды қоллап- қуўатлады.
18. Рехабам Даўыттың улы Еримоттың қызы Махалатқа үйленди. Оның анасы Ишайдың улы Элиабтың қызы Абиҳайыл еди.
19. Махалат Рехабамға Еуш, Шемария ҳәм Заҳам деген улларды туўып берди.
20. Махалаттан соң Рехабам Абшаломның қызы Маахаға үйленди. Ол Рехабамға Абия, Аттай, Зиза ҳәм Шеломитти туўып берди.
21. Рехабам басқа ҳаяллары ҳәм тоқалларына қарағанда, Абшаломның қызы Мааханы көбирек жақсы көрди. Рехабамның он сегиз ҳаялы ҳәм алпыс тоқалы болып, олардан жигирма сегиз ул ҳәм алпыс қызы бар еди.
22. Рехабам Маахадан туўылған улы Абияны өз тахтының мийрасхоры қылмақшы болып, басқа туўысқанларына басшы етип қойды.
23. Рехабам ақыллылық пенен ис тутып, басқа улларының ҳәммесин Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалаларға бөлип жиберди. Оларды керек-жарағы менен молдан тәмийинлеп, бир қанша ҳаяллар алып берди.
1. Рехабам өз ҳүкимдарлығын беккемлеп, күшке толғаннан кейин, оның өзи де, пүткил Израил халқы да Жаратқан Ийениң Нызамынан жүз бурды.
2. Олар Жаратқан Ийеге қыянет етти. Сонлықтан Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады.
3. Шишақ өзи менен бирге Мысырдан бир мың еки жүз саўаш арбасын, алпыс мың атлы әскерди, сондай-ақ ливиялы, суклы ҳәм кушлы сан-санақсыз ләшкерлерди алып келди.
4. Шишақ Яҳуданың қорғанлы қалаларын басып алып, Ерусалимге дейин жақынласты.
5. Сонда Шишақтан қорқып, Ерусалимге жыйналған Рехабамға ҳәм Яҳуда басшыларына пайғамбар Шемая келип, былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер Мени тәрк еттиңиз, енди Мен де сизлерди тәрк етип, Шишақтың қолына тапсыраман».
6. Израил басшылары ҳәм патша өз айыпларын тән алып: – Жаратқан Ийе әдил, – деди.
7. Жаратқан Ийе олардың айыпларын тән алғанын көргенде, Шемаяға Оннан мынадай сөз түсти: «Олар гүналарын мойынлады. Сонлықтан Мен оларды қырып тасламайман, қутқарылыўы ушын аз-маз жәрдем беремен. Ерусалимге деген ғәзебимди Шишақ арқалы төкпеймен.
8. Бирақ оларды Шишаққа бағынышлы қыламан. Сонда олар Маған хызмет етиў менен басқа еллердиң патшаларына хызмет етиў арасындағы айырмашылықты билип алады».
9. Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге бастырып келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алды.
10. Патша Рехабам олардың орнына қоладан қалқанлар ислетип, оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди.
11. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ҳәр барғанда, сақшылар патшаның қасында бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
12. Рехабам гүнасын мойынлағанда, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтып, Яҳуда халқын толық қырып жибермеди. Яҳудада еле де жақсы ислер бар еди.
13. Патша Рехабам Ерусалимде патшалығын беккемлеп, ҳүкимдарлық қыла берди. Ол тахтта отырғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық қылды. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
14. Рехабам Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылмағаны себепли, жаман ислерди ислеп турды.
15. Рехабам ислеген ислер басынан аяғына шекем Шемая пайғамбардың жазыўларында ҳәм ўәлий Иддоның шежиреге киргизилген жазыўларында баян етилген. Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди.
16. Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Абия патша болды.
1. Израил патшасы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абия Яҳудаға патша болды.
2. Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абияның анасы гибалы Уриелдиң қызы Михая еди. Абия менен Яробам ортасында урыс болды.
3. Абия төрт жүз мың ағла әскерди саўашқа баслады. Яробам болса, сегиз жүз мың ағла ҳәм мәрт әскерин оған қарсы сапқа дизди.
4. Абия Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Семарайым таўына шығып, былай деди: «Ҳәй, Яробам ҳәм пүткил Израил, мени тыңлаңлар!
5. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң бузылмас бир келисим бойынша Израилға патшалық қылыўды мәңгиге Даўытқа ҳәм оның урпақларына бергенин билмейсиз бе?
6. Бирақ Даўыт улы Сулайманның хызметшиси Набат улы Яробам өз мырзасына қарсы бас көтерди.
7. Оның қасына оңбаған ҳәм жарамас адамлар жыйналып, Сулайман улы Рехабамға қарсы шықты. Рехабам сол ўақытта жас ҳәм тәжирийбесиз болғанлықтан, оларға қарсы тура алмады.
8. Енди болса, Даўыттың урпағының қолында болған Жаратқан Ийениң патшалығына қарсы турмақшысыз. Аўа, сизлер көпшиликсиз! Буның үстине, қудайыңыз деп Яробам соқтырып берген алтын таналар да жаныңызда!
9. Жаратқан Ийениң руўханийлери болған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди қуўып жиберген сизлер емес пе? Олардың орнына басқа халықлардың дәстүрине сай, әпиўайы адамлардан руўханийлерди қойып алған жоқсыз ба? Аўа, бағышланыў рәсимине бир буға ямаса жети қошқар алып келген ҳәр бир адам жалған қудайларға руўханий бола алады-дә!
10. Ал бизлерге келсек, Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз! Бизлер Оннан жүз бурмадық. Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған руўханийлер де Харон урпағынан болып, лебийлилер оларға жәрдем бермекте.
11. Олар ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар береди, хош ийисли түтеткилер түтетеди, арнаўлы столға усынылған нанлар қояды, ҳәр күни кеште алтын ҳәстедеги шыраларды жағады. Аўа, бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап жүрмиз. Ал сизлер болсаңыз, Оны тәрк еттиңиз.
12. Қудай бизлер менен бирге, Ол бизлердиң жолбасшымыз. Оның руўханийлери кәрнайлар шалып, сизлерге қарсы урысқа шақырады. Израил урпақлары, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы урыспаңлар! Бәри бир жеңиске ериспейсиз».
13. Сол арада Яробам әскерлериниң бир бөлегин Яҳуда әскерлериниң артқы тәрепине буққы қойыў ушын жиберген еди. Әскерлердиң тийкарғы бөлими Яҳуда әскерлериниң алдында турды, ал буққыдағылар артқы тәрепинде еди.
14. Яҳуда әскерлери бурылып, өзлерине алдыдан да арттан да ҳүжим жасамақшы болып турғанларды көргенде, Жаратқан Ийеге жалбарынды. Ал руўханийлер кәрнайларын шалды.
15. Яҳуда әскерлери сүрен салып бақырысты. Олар бақырысқанда, Қудай Яробамды ҳәм израиллыларды Абия менен Яҳуда алдында қырғынға ушыратты.
16. Израиллылар яҳудалылардың алдына түсип қашты ҳәм Қудай оларды яҳудалыларға тәслим етти.
17. Абия ҳәм оның әскерлери израиллыларға аўыр соққы берди. Израиллылардың бес жүз мың ағла әскери қаза тапты.
18. Солай етип израиллылар жеңилиске ушырады. Ал яҳудалылар ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге сүйенгени ушын жеңиске еристи.
19. Абия Яробамды қуўып кетип, оған тийисли Бейт-Эл, Ешана, Эфрон қалаларын ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды қолға киргизди.
20. робам Абия дәўиринде өзиниң бурынғы қүдиретин тиклей алмады. Жаратқан Ийе оның жанын алды ҳәм ол қайтыс болды.
21. Ал Абияның ҳүкимдарлығы күшейе берди. Ол он төрт ҳаял алып, олардан жигирма еки ул ҳәм он алты қызлы болды.
22. Абияның басқа ислери, ислеген ислери ҳәм айтқанлары Иддо пайғамбардың түсиндирме китабында жазылған.
1. Абия өлип ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды. Асаның дәўиринде елде он жыл тынышлық болды.
2. Аса Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған ислерди иследи.
3. Ол жат қудайлардың қурбанлық орынлары менен сыйыныў орынларын алып таслап, кийели тасларды ҳәм кийели ағашларын бузып таслады.
4. Ол яҳудийлерге ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурып, Оның нызам ҳәм буйрықларын орынлаўды буйырды.
5. Ол Яҳуданың барлық қалаларындағы сыйыныў орынларын ҳәм түтетки түтетилетуғын орынларды алып таслады. Оның дәўиринде патшалық парахатшылықта жасады.
6. Елде тынышлық ҳүким сүрген ўақытта, Аса Яҳудада қорғанлы қалалар қурды. Сол жыллары оның менен ҳеш ким урыспады, себеби Жаратқан Ийе оған тынышлық сыйлаған еди.
7. Аса Яҳуда халқына былай деген еди: «Мына қалаларды салып, әтирапын дийўаллар менен қоршайық. Оларға минаралар ҳәм тәмбиленетуғын дәрўазалар қурып, қалаларды беккемлейик. Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге жүз бурғанымыз ушын, бул ел еле бизлердики. Аўа, бизлер Оған жүз бурдық ҳәм Ол бизлерге ҳәр тәреплеме тынышлық сыйлады». Солай етип, олар қурылысты баслап, табыслы тамамлады.
8. 8Асаның Яҳуда урыўынан үлкен қалқан ҳәм найза менен қуралланған үш жүз әскери, ал Бенямин урыўынан кишкене қалқан ҳәм оқ жай менен қуралланған еки жүз сексен әскери бар еди. Олардың ҳәммеси мәрт жаўынгерлер еди.
9. Кушлы Зерах миллионлаған әскери ҳәм үш жүз саўаш арбасы менен Яҳудаға атланып, Мареша қаласына жетип келди.
10. Аса оған қарсы атланды. Олар Марешаға жақын жердеги Сефата ойпатлығында урысыў ушын сап тартып турды.
11. Аса өз Қудайы Жаратқан Ийеге: «Жаратқан Ийе! Күшлиниң алдында турған күшсизге Сеннен басқа ҳеш ким жәрдем бере алмайды. Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерге жәрдем бере гөр! Себеби бизлер Саған сүйенемиз ҳәм Сениң атың менен мына сансыз ләшкерге қарсы шығып турмыз. Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Қудайымызсаң, инсан затының Өзиңди жеңиўине жол қойма!» – деп жалбарынды.
12. Сонда Жаратқан Ийе Аса менен яҳудалылардың алдында кушлыларды қырғынға ушыратып, кушлылар қаша баслады.
13. Аса болса өз әскерлери менен оларды Герарға дейин қуўып барды. Кушлылардан қаза тапқанлар соншелли көп болып, бирде биреўи аман қалмады. Олар Жаратқан Ийениң ҳәм Оның ордасының алдында қырып тасланды. Яҳуда әскерлери көп олжа менен қайтты.
14. Герар әтирапындағы қалаларда жасайтуғын халық Жаратқан Ийеден қорқып қалған еди. Яҳудалылар оларға да шабыўыл жасап, қырғынға ушыратты ҳәм талан-тараж етип, мол олжа алып қайтты.
15. Яҳудалылар шопанлардың шатырларына да шабыўыл жасап, олардың көп қой-ешки ҳәм түйелерин айдап кетти. Кейин олар Ерусалимге қайтып келди.
1. Одед улы Азарияның үстине Қудайдың Руўхы түсти.
2. Сонда Азария патша Аса менен ушырасыў ушын жолға шықты ҳәм оған барып былай деди: «Ҳәй, Аса! Ҳәй, Бенямин ҳәм Яҳуда халқы, маған қулақ салыңлар! Сизлер Жаратқан Ийе менен бирге болған дәўирде, Ол да сизлер менен бирге болады. Егер Оны излесеңиз, табасызлар. Ал егер Оны тәрк етсеңиз, Ол да сизлерди тәрк етеди.
3. Узақ ўақыт даўамында Израил халқы ҳақыйқый Қудайдан, тәлим беретуғын руўханийден ҳәм Оның Нызамынан алыста жасады.
4. Бирақ қыйыншылыққа ушырағанында олар Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бет бурып, Оны изледи ҳәм Оны тапты.
5. Сол күнлери сапарға шығыў қәўипли болып, ҳәмме еллердиң турғынлары ушын ғаўасатлы ўақытлар еди.
6. Миллет миллетке, қала қалаға қарсы урысатуғын еди. Себеби Қудай оларды ҳәр түрли апатшылықларға ушыратып, албыратып қойған еди.
7. Бирақ сизлер беккем болыңлар! Түскинликке түспеңлер! Өйткени мийнетиңиздиң жемисин аласызлар».
8. Одед улы Азария пайғамбардың бул пайғамбаршылық сөзлерин еситкенде, Аса жигерленди. Ол пүткил Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги ҳәм Эфрайымның таўлы үлкесиндеги өзи қолға киргизген қалалардағы жеркенишли бутларды алып таслады. Сондай-ақ, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының айўанының алдына орнатылған Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тикледи.
9. Буннан кейин, Аса Яҳуда ҳәм Бенямин урыўы менен бирге олардың арасында жасап атырған Эфрайым, Менашше ҳәм Шимон урыўынан болғанларды топлады. Өйткени көп адамлар Қудай Ийениң Аса менен бирге екенин көрип, Израилды таслап, Яҳудаға көшип келген еди.
10. Олар Аса ҳүкимдарлығының он бесинши жылының үшинши айында Ерусалимге жыйналды.
11. Сол күни олар урыстан алып келген олжасынан жети жүз бас ири мал ҳәм жети мың бас майда малды Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа берди.
12. Халық ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәни менен излеў ушын келисим дүзди.
13. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени излемеген ҳәр бир адам: жас болсын, ғарры болсын, еркек болсын, ҳаял болсын ҳәммеси өлтирилетуғын болды.
14. Олар бақырып, ҳәр түрли кәрнайлар ҳаўазлары астында бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге ант ишти.
15. Пүткил яҳудалылар берген анты ушын қуўанышлы еди, себеби олар шын жүректен ант ишкен еди. Олар ықласланып Жаратқан Ийени излегени ушын, Оны тапты. Жаратқан Ийе оларға ҳәр тәреплеме тынышлық берди.
16. Патша Аса кемпир апасы Маахадан ханбийкелик атағын тартып алды. Себеби ол Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырған еди. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, майдалап, Кидрон сайында жағып жиберди.
17. Ол Израилдағы сыйыныў орынларын жоқ қылмаса да, өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
18. Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Қудайдың Ибадатханасына алып келди.
19. Асаның патшалығының отыз бесинши жылына дейин елде урыс болмады.
1. Яҳуда патшасы Асаның ҳүкимдарлығының отыз алтыншы жылында Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шықты ҳәм Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти.
2. Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
3. «Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
4. Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Майым қалаларын, пүткил Нафталий жериндеги барлық телеклери бар қалаларды басып алды.
5. Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, исти таслап кетти.
6. Патша Аса пүткил яҳудалыларды шақыртты. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
7. Сол ўақытлары көзи ашық Хананий Яҳуда патшасы Асаға келип, былай деди: «Сиз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сүйенбей, Арам патшасына сүйендиңиз. Сол себепли Арам патшасының әскерлерин қолдан шығардыңыз.
8. Есиңизге түсириң, кушлылар менен ливиялылар көп санлы саўаш арбалары ҳәм атлылары менен үлкен бир орда болып келмеп пе еди? Сонда сиз Жаратқан Ийеге сүйенгениңиз ушын, Ол оларды сизге тәслим еткен еди.
9. Жаратқан Ийе Өзине шын жүректен садық болғанларға күш- қуўат берип турыў ушын, пүткил жер жүзине нәзер салып турады. Сиз ақылсызларша ис туттыңыз, сол себепли буннан былай сизиң басыңыз урыстан шықпайды».
10. Аса көзи ашықтың бул сөзлерине ғәзепленди. Оның ғәзепленгени соншелли, көзи ашықты зинданға таслатты. Сол ўақытлары Аса халқының айырымларына қысым көрсетип, езди.
11. Асаның барлық ислери басынан аяғына шекем, Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
12. Ҳүкимдарлығының отыз тоғызыншы жылында, Аса аяқ аўырыўына шалынды. Аўырыўы асқынлап атырған болса да, ол Жаратқан Ийеге жүз бурмай, тәўиплерден үмит етти.
13. Аса өз ҳүкимдарлығының қырық биринши жылы өлип, ата-бабаларына қосылды.
14. Оны ҳәр түрли хош ийисли затларға толтырылған табытқа жатқарып, Даўыттың қаласында өзи ушын ойдырған қәбирге қойды. Оның ҳүрметине үлкен от жақты.
1. Асаның орнына улы Еҳошафат патша болды ҳәм Израилға қарсы бекинисин күшейтти.
2. Ол Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына әскерлерин орналастырып, пүткил Яҳуда жеринде ҳәм әкеси Аса Эфрайым урыўынан басып алған қалаларға сақшылар топарларын қойды.
3. Еҳошафат бабасы Даўыттың дәслепки жүрген жолларынан жүргени ушын, Жаратқан Ийе оның менен бирге болды. Ол Баалларға сыйынбай,
4. әкеси Аса сыйынған Қудайға умтылып, Оның буйрықларына бойсынды. Ал Израил халқы ислеген дәстүрлерге ермеди.
5. Сонлықтан Жаратқан Ийе Еҳошафаттың патшалығын беккемледи. Пүткил Яҳуда ели оған сыйлықлар алып келип турды. Усылайынша патша мол байлыққа ҳәм ҳүрметке ийе болды.
6. Оның жүреги Жаратқан Ийеге бағышланған еди. Ол Яҳудадағы сыйыныў орынларын ҳәм кийели ағашларына арналған кийели ағашларды алып таслады.
7. Еҳошафат өз ҳүкимдарлығының үшинши жылында өзиниң хызметкерлеринен Бен-Хайылды, Обадияны, Зехарияны, Нетанелди ҳәм Михаяны халыққа тәлим бериўи ушын Яҳуда қалаларына жиберди.
8. Олар менен бирге лебийлилерден: Шемая, Натания, Зебадия, Асаҳел, Шемирамот, Еҳонатан, Адония, Тобия ҳәм Тоб-Адонияны, руўханийлерден: Элишама ҳәм Иорамды жиберди.
9. Жиберилгенлер Жаратқан Ийениң Нызам китабын жанына алып жүрип, Яҳудада тәлим берди. Олар пүткил Яҳуда қалаларын аралап, халыққа үйретти.
10. Яҳуда әтирапындағы барлық үлкелердиң патшалықларына Жаратқан Ийе қорқыў салғанлықтан, олардың ҳеш бири Еҳошафатқа қарсы урыс ашпады.
11. Базы филистлер саўға ҳәм салық сыпатында Еҳошафатқа гүмис, ал араблар майда мал сүриўин: жети мың жети жүз қошқар ҳәм жети мың жети жүз теке алып келди.
12. Еҳошафат күшейип бара берди. Ол Яҳудада қорғанлар ҳәм телеклери бар қалалар қурғызып,
13. Яҳуда қалаларында көп муғдарда керек- жарақ жыйнап қойды. Ал Ерусалимде тәжирийбели баҳадыр жаўынгерлери бар еди.
14. Олардың әўладлары бойынша дизими мынадай: Яҳуда урыўында мыңбасылар бар еди. Әскербасы Адна үш жүз мың баҳадыр жаўынгерди басқарды.
15. Оннан кейинги әскербасы Еҳоханан болып, ол еки жүз сексен мың жаўынгерге басшылық етти.
16. Оннан кейинги әскербасы Зихрий улы Амасия болып, ол еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге басшылық етти. Амасия өз ерки менен Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған еди.
17. Бенямин урыўынан шыққан оқ жай ҳәм қалқан менен қуралланған еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге Эляда басшылық етти.
18. Оннан кейинги әскербасы Еҳозабад урысқа таяр, қуралланған бир жүз сексен мың адамды басқарды.
19. Бул жаўынгерлер патшаның пүткил Яҳуда елиндеги бекинисли қалаларына жайластырған әскерлеринен тысқары әскерлери еди.
1. Яҳуда патшасы Еҳошафат жүдә бай болып, атақ-абырайы асып кетти. Ол Израил патшасы Ахаб пенен қуда-тамыр болды.
2. Арадан бир неше жыл өткеннен соң, Еҳошафат Ахабты көриў ушын Самарияға барды. Ахаб Еҳошафаттың ҳәм оның менен барғанлардың ҳүрметине көплеген майда ҳәм ири малларды сойды ҳәм Гиладтағы Рамот қаласына ҳүжим қылыўға көндирмекши болды.
3. Соңынан Израил патшасы Ахаб Яҳуда патшасы Еҳошафаттан: – Гиладтағы Рамотқа мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады. Еҳошафат Ахабқа: – Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, көриң. Сиз бенен бирге урысқа барамыз, – деп жуўап берди.
4. Соңынан Еҳошафат: – Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
5. Сонда Израил патшасы төрт жүз пайғамбарды топлап, оларға: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады. Олар: – Барың, Қудай қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
6. Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
7. Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, бәрқулла тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
8. Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, бәрқулла тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
9. Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди.
10. Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
11. Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
12. Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып: – Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
13. Бирақ Миха оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Қудайым маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
14. Миха патшаға келди. Патша Михадан: – Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса мен оннан бас тартайын ба? – деп сорады. Миха патшаға: – Бара бериңлер, жеңесизлер, олар сизлерге тәслим етиледи, – деп жуўап берди.
15. Деген менен, патша Михаға: – Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған неше мәрте ант ишкизиўим керек? – деди.
16. Сонда Миха патшаға былай деди: – Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
17. Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
18. Миха патшаға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим.
19. Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Израил патшасы Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда,
20. бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады.
21. Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди. Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди.
22. Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
23. Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де: – Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
24. Миха оған: – Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
25. Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Иоашқа қайтып алып барыңлар.
26. Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, аз-маз нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
27. Миха патшаға: «Егер шынында да аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди.
28. Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты.
29. Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, олар саўашқа шықты.
30. Арам патшасы өз саўаш арбаларының әскербасыларына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды.
31. Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде, Қудай Ийе оған жәрдемге келип, ҳүжим қылыўшыларды басқа жаққа бурып жиберди.
32. йткени саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты.
33. Сол арада бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди.
34. Деген менен, сол күни ғыжлаған саўаш болып, Израил патшасы өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалды ҳәм кешке шекем арамлыларға қарап турыўға мәжбүр болды. Кешке таман патша қаза тапты.
1. Яҳуда патшасы Еҳошафат Ерусалимдеги сарайына аман-есен қайтып киятырғанда,
2. Хананий улы ўәлий Еҳу Еҳошафаттың алдынан шығып, оған былай деди: «Залымларға жәрдем берип, Жаратқан Ийени жек көргенлерди сүйиўиң керек пе еди? Бул исиң ушын саған Жаратқан Ийениң ғәзеби төгилди.
3. Деген менен, сениң жақсы ислериң де бар. Сен елди кийели ағашларынан тазаладың ҳәм шын жүректен Қудайды изледиң».
4. Еҳошафат Ерусалимде жасады. Бирақ ол тез-тез Беер-Шебадан Эфрайымның таўлы үлкелерине дейин жасайтуғын халықты аралап, оларды ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурыўға шақырар еди.
5. Ол Яҳуда елиндеги барлық бекинисли қалаларға бийлер қойды.
6. Ол бийлерге: «Ислеген исиңизге дыққатлы болыңлар. Себеби сизлер адамлар атынан емес, ал Жаратқан Ийениң атынан ҳүким шығарасызлар. Жаратқан Ийе ҳүким исинде сизлер менен бирге болады.
7. Жаратқан Ийеден қорқың, итибарлы түрде ҳүким шығарың. Өйткени Қудайымыз Жаратқан Ийе наҳақлыққа, жалпылдақлыққа ҳәм параға көз жумып қарамайды», – дейтуғын еди.
8. Еҳошафат Ерусалимде де айырым лебийлилерди, руўханийлерди ҳәм Израилдың әўлад басшыларын Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы шешимлерди қабыллаў ҳәм даўаларды шешиў ушын тайынлады. Олар Ерусалимде жасады.
9. Патша оларға мынадай буйрық берди: «Сизлер өз ўазыйпаларыңызды Жаратқан Ийеден қорққан ҳалда, садықлық пенен шын жүректен орынлаңлар.
10. Өз қалаларында жасап атырған туўысқанларыңыз: төгилген қан туўралы болсын, Жаратқан Ийениң Нызамына, буйрықларына, қағыйдаларына ямаса қарарларына байланыслы болсын, қандай да бир даўа менен келсе, оларға Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислемеўди қатаң ескертиң. Сонда гүнадан қалыс боласыз. Болмаса, сизге де, туўысқаныңызға да Жаратқан Ийениң ғәзеби төгиледи.
11. Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы ислерде бас руўханий Амария, патшаға байланыслы ислерде Яҳуданың урыўбасысы Исмайыл улы Зебадия басшылық етеди. Ал лебийлилер болса, бул ислерди қадағалаўда сизлерге жәрдем береди. Мәрт болып иске кирисиң, Жаратқан Ийе жақсылық ислеўшилерге яр болсын!»
1. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, моаблар, аммонлар ҳәм маон халқының бир бөлеги Еҳошафатқа қарсы урыс ашыў ушын жолға шықты.
2. Сонда хабаршылар келип Еҳошафатқа: «Эдомнан, Өли теңиздиң арғы тәрепинен сизге урыс ашыў ушын үлкен орда киятыр. Олар ҳәзир Хасесон- Тамарға, яғный Эн-Гедийге жетип қалды», – деп хабарлады.
3. Қорқып кеткен Еҳошафат Жаратқан Ийениң еркин билиўге қарар етти ҳәм пүткил Яҳуда бойлап ораза тутыўды жәриялады.
4. Сонда Жаратқан Ийеден жәрдем сораў ушын, Яҳуданың барлық қалаларынан халық ағылып келип, Ерусалимге жыйналды.
5. Еҳошафат Яҳуда ҳәм Ерусалим жыйынында, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жаңа ҳәўлиси алдында турып,
6. былай деп дуўа етти: «Ҳәй, ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийе! Көклердеги Қудай Сен емесписең? Сен халықлардың барлық патшалықларына бийлик етесең. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Саған ҳеш ким де қарсы тура алмайды.
7. Қудайымыз! Усы елдиң бурынғы турғынларын Өз халқың Израилдың алдынан қуўып шығып, елди Өз достың Ибрайымның урпақларына мәңгиге берген Сен емесписең?
8. Олар усы елде қоныс басып, Сениң атыңа арнап Мухаддес орын қурды ҳәм былай деген еди:
9. „Егер апат, яғный қылыштан жазаланыў, иллет ямаса ашлық басымызға түссе, Өзиң бар болған усы Ибадатхананың алдына, Сениң алдыңа келип, қыйыншылық ишинде Саған жалбарынамыз, Сен де бизлерди еситип, қутқарасаң“
10. Мине, Аммон, Моаб ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларының не ислеп атырғанына қара! Израиллылар Мысырдан шыққанда, Сен оларға сол халықлардың жерлерине кириўге рухсат бермедиң. Сонлықтан оларды айланып өтип, оларды қырып жибермеген еди.
11. Енди болса, бул халықлардың бизге берип атырған саўғасына қарап қой! Сен бизлерге мүлик етип берген жерден олар бизлерди қуўып шығарыўға киятыр.
12. О Қудайымыз, Сен оларды жазалай гөр! Себеби бизлерде өзимизге бастырып киятырған бул үлкен ордаға қарсылық қылатуғын күш жоқ. Бизлер не қылыўды билмеймиз, бирақ көз тигип, Сеннен үмит етемиз».
13. Сол ўақытта пүткил Яҳуда еркеклери нәрестелери, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге Жаратқан Ийениң алдында турған еди.
14. Сонда жыйын ортасында турған Яхазиелге Жаратқан Ийениң Руўхы түсти. Асаф урпағынан шыққан лебийли Яхазиел Маттанияның қуўлығы, Еиелдиң шаўлығы, Бенаяның ақлығы, Зехарияның улы еди.
15. Яхазиел тил қатып, былай деди: «Ҳәй, пүткил Яҳуда менен Ерусалим турғынлары ҳәм патша Еҳошафат, тыңлаңлар! Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: „Бул сан- санақсыз ләшкерлерден қорқып, қәўетерленбең. Бул урыс сизлердики емес, Меники, яғный Қудайдики.
16. Ертең оларға қарсы төмен қарай жүристи баслаң. Олар Сиске баратуғын жол арқалы көтерилип киятыр. Сизлер оларды Еруел шөлиниң алдындағы ойыпатлықтың ақырында ушыратасыз.
17. Бирақ сизлер урыспайсыз. Тек барып, орныңызды ийелеп турып, Жаратқан Ийениң қутқарыўын көресиз. Ҳәй, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы! Қорқып, қәўетерленбең. Ертең оларға ҳүжим қылың, Жаратқан Ийе болған Мен сизлер менен бирге боламан“».
18. Еҳошафат басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы да тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды.
19. Қоҳат ҳәм Қорах урпақларынан тараған лебийлилер орынларынан турып, бәлент даўыс пенен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтты.
20. Еҳошафаттың ләшкерлери ертеңине азанда ерте турып, Теқоа шөлине атланды. Олар жолға шығып баратырғанда Еҳошафат тоқтап оларға: «Ҳәй Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары, мени тыңлаң! Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исениң, сонда бийқәтер боласыз! Оның пайғамбарларына исениң, сонда табысқа ерисесиз» – деди.
21. Еҳошафат халық пенен кеңесип болғаннан кейин, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтатуғын ҳәм Оның мухаддес салтанатын тәрийиплейтуғын қосықшыларды тайынлады. Олар әскерлердиң алдында жүрип: «Жаратқан Ийени тәрийиплең, Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп қосық айтыўы керек еди.
22. Олар қосық ҳәм алғыс айтып баслаған ўақытта-ақ, Жаратқан Ийе Яҳудаға урыс ашыў ушын келген аммон, моаб халықларына ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына дузақ қурды ҳәм олар қырылды.
23. Себеби аммон ҳәм моаб халқы қырып таслаў ушын, таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына бас салды. Оларды қырып болғаннан кейин болса, Аммон ҳәм моаб халқы бир-бирин қыра баслады.
24. Яҳуда халқы шөл даладағы гүзетши минарасына жетип, душпан ордасына көз жибергенде, олар тек жерде жатқан өли денелерди көрди. Олардың биреўи де қашып қутылмаған екен.
25. Еҳошафат өз адамлары менен олардан қалған нәрселерди олжалаў ушын келгенде, жүдә көп қурал-сайманлар, кийим-кеншеклер ҳәм қымбатбаҳа нәрселерди тапты. Олар көтере алғандайын алып кетти. Олжаның көплиги сонша, оны жыйнаўға үш күн кетти.
26. Ал төртинши күни олар бир ойпатлыққа жыйналып, Жаратқан Ийени алғыслады. Сонлықтан ол жер бүгин де Бераха ойпатлығы деп аталады.
27. Кейин пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы Еҳошафаттың басшылығында қуўаныш пенен Ерусалимге қайтты. Себеби Жаратқан Ийе оларды душпанларынан қутқарып, қуўанышқа бөлеген еди.
28. Олар лира, арфа ҳәм кәрнай намасы астында Ерусалимге кирип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бет алды.
29. Израилдың душпанларына қарсы Жаратқан Ийениң Өзиниң урысқанын еситкенде, әтираптағы патшалар Қудайдан қорқып қалды.
30. Еҳошафаттың патшалығында тынышлық ҳүким сүрди. Оның Қудайы оған ҳәр тәреплеме парахатшылық сыйлаған еди.
31. Солай етип, Еҳошафат Яҳудаға патшалық етти. Ол отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди.
32. Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
33. Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Сонлықтан халық еле ата-бабаларының Қудайына толық жүз бурмады.
34. Еҳошафаттың басқа ислери бастан ақырына дейин, Израил патшаларының жылнама китабының бир бөлими болған Хананий улы Еҳу жазған жылнама китабында баян етилген.
35. Кейинирек Яҳуда патшасы Еҳошафат жаман ислерге ҳәўес болған Израил патшасы Ахазия менен тынышлық келисимин дүзди.
36. Олар Таршишке жибериў ушын кеме соқтырыўға келисип алды. Кемелер Эсион- Геберде соғылды.
37. Сонда марешалы Додаўаҳу улы Элиезер Еҳошафатқа қарсы пайғамбаршылық етип: «Сен Ахазия менен келисим дүзгениң ушын, Жаратқан Ийе сениң исиңди жоқ қылады», – деди. Кемелер апатқа ушырап, Таршишке жете алмады.
1. Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иорам патша болды.
2. Еҳошафат улы Иорамның Азария, Ехиел, Зехария, Азарияҳу, Михаил, Шефатия атлы инилери бар еди. Булардың ҳәммеси Израил патшасы Еҳошафаттың уллары еди.
3. Әкеси Еҳошафат оларға мол гүмис, алтын ҳәм қымбатбаҳа нәрселерге қоса, Яҳудадағы қорған қалаларды да саўға етти. Ал Иорам туңғыш перзент болғанлықтан, патшалықты оған берди.
4. Бирақ Иорам әкесиниң тахтына отырып, оны беккемлегеннен соң, барлық инилерин ҳәм бир қатар Израил басшыларын қылыштан өткизди.
5. Иорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти.
6. Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
7. Бирақ Жаратқан Ийе Даўыт пенен дүзген келисими себепли, Даўыттың үй-ишин жоқ қылмады. Өйткени Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
8. Иорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды.
9. Иорам әскербасылары ҳәм барлық саўаш арбалары менен бирге сол жерге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Иорам түнде турып, қамалды жарып шықты.
10. Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да Иорамның ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерди. Себеби Иорам ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди.
11. Сондай-ақ, Иорам Яҳудадағы төбешикли жерлерге сыйыныў орынларын қурып, Ерусалим турғынларын Қудайға опасызлық қылыўға жетеледи ҳәм Яҳуда халқын жолдан азғырды.
12. Бир күни Иорамға пайғамбар Илиястан хат келди. Онда былай деп жазылған еди: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен әкең Еҳошафаттың ҳәм Яҳуда патшасы Асаның жолынан жүрмедиң.
13. Керисинше, Израил патшаларының жолынан жүрдиң ҳәм Ахабтың үй- ишиниң ислегени киби, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын опасызлыққа басладың. Буның үстине, бир әкеден туўылған, сеннен жақсырақ болған өз инилериңди өлтирдиң.
14. Сонлықтан Жаратқан Ийе, яғный Мен сениң халқыңа, ҳаялларыңа, балаларыңа ҳәм пүткил мал-мүлкиңе уллы апат жиберемен.
15. зиңди болса аўыр ишек кеселлигине жолықтыраман. Ишеклериң сыртқа төгилгенше, аўырыў күннен-күнге күшейе береди“».
16. Буннан кейин Жаратқан Ийе филистлерди ҳәм кушлылардың жанында жасап атырған арабларды Иорамға қарсы қозғады.
17. Олар Яҳудаға шабыўыл жасап, ишкериге бастырып кирди ҳәм патшаның сарайынан тапқан ҳәмме байлықларды, сондай-ақ патшаның балалары менен ҳаялларын алып кетти. Тек Иорамның Еҳоахаз атлы генже улы ғана өзинде қалды.
18. Бул ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийе Иорамды даўасы жоқ ишек кеселлигине дуўшар етти.
19. Ўақыт өте берди, арадан еки жыл өткенде, кеселлик себепли оның ишеклери сыртқа атылып шықты. Ол қатты қыйналып жан тапсырды. Иорамның ата-бабалары өлгенде, халық олардың ҳүрметине от жағыў рәсимин өткерген еди, ал Иорамның ҳүрметине от жағылмады.
20. Иорам тахтқа отырғанда отыз еки жаста болып, Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. Ол ушын ҳеш ким жоқлаў айтып жыламады. Ол Даўыттың қаласына жерленген болса да, патшалар қәбирине қойылмады.
1. Ерусалим турғынлары Иорамның орнына оның ең генже улы Ахазияны патша етип қойды. Себеби араблар менен бирге әскерий ордаға шабыўыл жасаған басқыншылар патшаның Ахазиядан үлкен улларының ҳәммесин өлтирген еди. Усылайынша, Иорам улы Ахазия Яҳуда үстинен патшалық ете баслады..
2. Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди.
3. Ахазия Ахабтың урпағының жолынан жүрди. Себеби анасы оған мәсләҳәт берип, жаман ислерди ислеўге түртки салып отырды.
4. Ахазия Ахаб урпағы сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Әкеси Иорам өлгеннен кейин, Ахаб урпақлары оған кеңесши болып, оны қулаўға алып келди.
5. Ахазия олардың мәсләҳәтине қулақ салып, Израил патшасы Ахаб улы Иорамға ерип, Арам патшасы Хазаел менен урысыў ушын Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти.
6. Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Иорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.
7. Бирақ Қудай Ахазияны Иорамды көриўге келгенде өлтириўди шешип қойған еди. Ахазия келгеннен кейин, Иорам менен бирге Нимший улы Еҳуды қарсы алыўға шықты. Жаратқан Ийе Еҳуды майлап, Ахабтың үй- ишин жоқ қылыў ушын таңлаған еди.
8. Еҳу Ахабтың үй-иши үстинен шығарылған ҳүкимди орынлап атырғанда, Ахазияға хызмет етип атырған Яҳуда басшылары менен Ахазияның әжағаларының улларына дус келди ҳәм оларды да өлтирди.
9. Кейин ол Ахазияны излей баслады. Еҳудың адамлары Ахазияны Самариядағы жасырынған жеринен тапты ҳәм оны Еҳуға алып келип, сол жерде өлтирди. Кейин: «Бул өзин шын жүректен Жаратқан Ийеге бағышлаған Еҳошафаттың улы ғой!» – деп, оны жерледи. Солай етип, Ахазияның үй-ишинен патшалық қылғандай ҳеш ким қалмады.
10. Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, Яҳудадағы патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
11. Бирақ патша Иорамның қызы Еҳошабат Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Усылайынша, патша Иорамның қызы, руўханий Еҳояданың ҳаялы, Ахазияның өгей қарындасы болған Еҳошабат баланы Аталиядан жасырды. Солай етип, Аталия баланы өлтире алмады.
12. Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Қудайдың Ибадатханасында олар менен алты жыл жасырын түрде жасады.
1. Аталияның ҳүкимдарлығының жетинши жылы руўханий Еҳояда күшке толып, жүзбасылар: Ерохам улы Азария, Еҳоханан улы Исмайыл, Обид улы Азария, Адая улы Маасея ҳәм Зихрий улы Элишафат пенен келисим дүзди.
2. Олар Яҳуданы аралап шығып, лебийлилер менен Израил әўладларының басшыларын жыйнады ҳәм Ерусалимге алып келди.
3. Солай етип пүткил жәмийет Қудайдың Ибадатханасында патша менен келисим дүзди. Еҳояда оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Даўыттың урпақларына берген ўәдесине муўапық, патшаның улы патшалық қылыўы керек.
4. Енди сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келетуғын руўханийлер менен лебийлилердиң үштен бири дәрўазаларды қараўылласын.
5. Үштен бири патшаның сарайын, ал қалған үштен бири Тийкар дәрўазасын қорғасын. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисине жыйналсын.
6. Руўханийлер менен хызметтеги лебийлилерден басқа ҳеш ким Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирмесин. Олар мухаддес болғанлығы себепли, ол жерге кире алады. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң тапсырмасы бойынша сыртта қалсын.
7. Лебийлилер қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын. Ибадатханаға кирген ҳәр бир адам өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
8. Лебийлилер ҳәм пүткил Яҳуда халқы руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып қалды. Себеби руўханий Еҳояда топарлардың ҳеш бириниң кетиўине рухсат бермеген еди.
9. Руўханий Еҳояда Қудайдың Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найзаларды, кишкене ҳәм үлкен қалқанларды жүзбасыларға таратты.
10. Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойды.
11. Еҳояда ҳәм оның уллары патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, кейин: «Жасасын патша!» – деп қышқырды.
12. Аталия жуўырысқан ҳәм патшаны алғыслап бақырысқан халықтың шаўқымын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди.
13. Қараса, патша Ибадатхананың киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып, қосықшылар болса саз әсбапларына қосылып алғыс-мақтаў қосықларын айтып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
14. Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемегенликтен, әскерлерге жуўапкер жүзбасыларды жиберип атырып, оларға былай деди: «Оны арадан сыртқа алып шығыңлар ҳәм оған ерген ҳәр бир адамды қылыштан өткизиңлер», – деди.
15. Әскерлер Аталияны тутып алды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелип, сол жерде өлтирди.
16. Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда өзи, пүткил халық ҳәм патша арасында келисим дүзди.
17. Соңынан пүткил халық Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди.
18. Кейин Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин алып барыўды лебийли руўханийлерге тапсырды. Оларға Даўыт белгилеген Ибадатхана хызметлерин орынлаў, Муўсаның Нызамында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ҳәм Даўыттың буйрығына муўапық, қуўанышлы түрде қосық айтыў тапсырылды.
19. Қандай себеп пенен болса да, ҳарам болған адамның Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип кетпеўи ушын, дәрўазаға қараўыллар қойды.
20. Соңынан Еҳояда жүзбасыларды, ақсүйеклерди, халық басшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Олар Жоқарғы дәрўаза арқалы өтип, патшаны тахтқа отырғызды.
21. Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия қылыш пенен өлтирилген еди.
1. Иоаш жети жасында патша болып, Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди.
2. Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
3. Еҳояда Иоашқа еки ҳаял алып берди. Иоаш олардан ул-қызлар көрди.
4. Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Иоаш Жаратқан Ийениң Ибадатханасын оңлаўға қарар қылды.
5. Ол руўханийлер менен лебийлилерди жыйнап, оларға: «Яҳуда қалаларына барып, пүткил Израил халқынан Қудайыңыздың Ибадатханасын оңлаў ушын келип түсетуғын жыллық салықты жыйнап келиң. Бул исти тез орынлаң», – деди. Бирақ лебийлилер асықпады.
6. Сонда патша бас руўханий Еҳояданы шақыртып оған: «Не ушын сиз лебийлилерди Яҳудадан ҳәм Ерусалимнен салық жыйнап келиўге жибермедиң? Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм Израил жәмийети бул салықты Келисим шатырының қәрежетлери ушын белгилеп қойған-ғо», – деди.
7. Себеби залым ҳаял Аталияның уллары Қудайдың Ибадатханасына бастырып кирип, ҳәтте, ол жердеги мухаддес нәрселерди де Бааллар ушын қолланған еди.
8. Патшаның буйрығы бойынша бир қуты исленип, қуты Жаратқан Ийениң Ибадатханасының дәрўазасының сыртына қойылды.
9. Қудайдың қулы Муўсаның шөлде Израил халқы ушын белгилеген салығын Жаратқан Ийеге алып келиў Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жәрияланды.
10. Барлық ҳәмелдарлар ҳәм пүткил халық салықты қуўанышлы түрде алып келип, толғанша қутыға таслады.
11. Лебийлилер қутыны патшаның хызметшилерине алып келетуғын еди. Олар қутының толғанын көргенде, патшаның хаткерине ҳәм бас руўханийдиң жәрдемшисине хабар беретуғын еди. Олар да келип, қутыны босатып, кейин қайтадан орнына апарып қоятуғын еди. Олар бәрқулла солай иследи ҳәм көп пул жыйнады.
12. Патша ҳәм Еҳояда бул пулларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын тас өриўшилерди ҳәм ағаш усталарын, сондай-ақ Ибадатхананы оңлаў ушын темир ҳәм қолаға ислеў беретуғын жумысшыларды жаллады.
13. Жумысшылар ықлас пенен иследи ҳәм ислер олардың қолында алға илгериледи. Қудайдың Ибадатханасы дәслепки аўҳалына қайтып, беккемленди.
14. Олар ислерин тамамлап, қалған пулларды патшаға ҳәм Еҳоядаға алып келди. Бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын хызметте ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар бергенде қолланылатуғын буйымлар, тостағанлар, басқа алтын ҳәм гүмис буйымлар исленди. Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң Ибадатханасында ҳәр күни жандырылатуғын қурбанлықлар берилип барды.
15. Еҳояда мазмунлы өмир сүрип, қартайып, бир жүз отыз жасында дүньядан өтти.
16. Израилда Қудай ҳәм Оның Ибадатханасы ушын ислеген хызметлери есапқа алынып, оның денеси Даўыттың қаласына патшалардың қасына қойылды.
17. Еҳояданың өлиминен соң, Яҳуда басшылары патшаға келип, оған тәжим етти. Патша да оларға қулақ салды.
18. Олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын тәрк етип, кийели ағашларына ҳәм басқа бутларға табына баслады. Олардың гүнасы себепли, Яҳуда ҳәм Ерусалимге Жаратқан Ийениң ғәзеби келди.
19. Жаратқан Ийе халықты Өзине қайтарыў ушын пайғамбарлар жиберген болса да, пайғамбарлар оларға ескерткен болса да, бәри бир халық пайғамбарларға қулақ аспады.
20. Сонда Қудайдың Руўхы руўханий Еҳояда улы Зехарияны бийлеп алды. Зехария халықтың алдына шығып, былай деди: «Қудай былай дейди: „Неге буйрықларыма қарсы шығып атырсызлар? Сизлер табысқа ерисе алмайсызлар. Себеби сизлер Мени тәрк еттиңлер, Мен де сизлерди тәрк еттим“».
21. Бирақ Зехарияға қарсы тил бириктирилип, патшаның буйрығы менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде ол тас боран қылып өлтирилди.
22. Патша Иоаш Зехарияның әкеси Еҳояда көрсеткен жақсылықларды умытып, оның улын өлтирди. Зехария жан берип атырып: «Жаратқан Ийе бул ислериңизди көрип, есесин қайтарсын!» – деди.
23. Сол жылдың ақырында, Арам ордасы Иоашқа ҳүжим жасады. Олар Яҳуда ҳәм Ерусалимге кирип, халықтың барлық басшыларын өлтирди, ал алған олжаларының ҳәммесин Дамаскке, өз патшасына жиберди.
24. Арам ордасы көп санлы болмаса да, Жаратқан Ийе өзлеринен жүдә үлкен болған орданы оларға тәслим етти. Өйткени Яҳуда халқы өзлериниң ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. Солай етип, Иоаш өз жазасын алды.
25. Арам әскерлери Иоашты аўыр жараланған ҳалда таслап кетти. Сонда Иоаштың хызметкерлери руўханий Еҳояданың улының қаны ушын өш алмақшы болып тил бириктирди ҳәм Иоашты өз төсегинде өлтирди. Оны Даўыттың қаласына жерледи, бирақ патшалардың қәбирине қоймады.
26. Иоашқа қарсы тил бириктиргенлер: аммон халқынан Шимеат деген ҳаялдың улы Забад ҳәм моаблы Шимрит деген ҳаялдың улы Еҳозабад еди.
27. Иоаштың уллары ҳаққында мағлыўмат, Иоашқа қарсы айтылған көп санлы пайғамбаршылықлар ҳәм Ибадатхананың оңланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар Патшалар китабында жазылған. Иоаштың орнына оның улы Амасия патша болды.
1. Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди.
2. Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, оларды шын жүректен ислемеди.
3. Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди.
4. Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, олардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
5. Амасия Яҳуда халқын топлап, пүткил яҳудалылар менен беняминлилерге әўладлары бойынша мыңбасылар ҳәм жүзбасылар қойды. Кейин жигирма ҳәм оннан жоқары жастағыларды санақтан өткерип, әскерий хызметке жарамлы ҳәм найза менен үлкен қалқанды ислете алатуғын үш жүз мың ағла әскердиң бар екенин билди.
6. Булардан тысқары, жүз талант гүмиске Израилдан жүз мың баҳадыр жаўынгерди жаллап алды.
7. Сол арада Қудайдың бир адамы Амасияға келип былай деди: – Тақсыр! Израил әскерлери сиз бенен бирге бармасын, себеби Жаратқан Ийе израиллылар, яғный пүткил эфрайымлылар менен бирге емес.
8. Жақсысы, өзиңиз барып, иске кирисиң ҳәм мәртлерше урысың. Болмаса, Қудай сизди жеңилиске ушыратады. Өйткени Қудайдың қоллап- қуўатлаўға да, жеңилиске ушыратыўға да күши жетеди.
9. Амасия Қудайдың адамынан: – Онда Израил әскерлери ушын төленген жүз талант не болады? – деп сорады. Қудайдың адамы оған: – Жаратқан Ийе сизге оннан да көбирегин бериўи мүмкин, – деп жуўап берди.
10. Сонда Амасия Эфрайымнан келген әскерлерди үйлерине қайтарып жиберди. Олардың Яҳуда халқына деген ғәзеби лаўлады ҳәм ғәзепке толыўы менен үйлерине қайтып кетти.
11. Амасия мәртлик етип, өз әскерлерин Дуз ойпатлығына алып барды ҳәм ол жерде Сеирдиң адамларынан он мыңын өлтирди.
12. Яҳуда әскерлери олардың және он мыңын тутқынға алып, оларды жартастың төбесине алып шықты ҳәм ол жерден төменге ийтерип жиберди. Олардың ҳәммеси бөлек-бөлек болды.
13. Сол арада Амасия өзи менен урысқа барыўға рухсат бермей изине қайтарып жиберген әскерлер Самария менен Бейт-Хорон аралығындағы Яҳуда қалаларына ҳүжим қылды. Олар үш мың адамды өлтирип, көп олжа алып кетти.
14. Амасия эдомлыларды қырып қайтып келгенде, Сеир халқының бутларын өзи менен бирге алып келди. Ол бул бутларды өзине қудай етип қойды ҳәм оларға табынып, қурбанлықлар берди.
15. Сонда Амасияға Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм оған бир пайғамбарды жиберди. Пайғамбар патшаға: – Өз халқын сениң қолыңнан қутқара алмаған сол халықтың қудайларына не ушын жүз бурдыңыз? – дей бергенде,
16. Амасия оның гәпин бөлип: – Қашаннан бери сен патшаның мәсләҳәтшиси болып қалдың?! Бас қыл, болмаса жаныңды аламан, – деди. Пайғамбардың сөзи аўзында қалды, бирақ соңынан: – Сиз усылай етип, мениң сөзлериме қулақ салмағаныңыз ушын, Қудайдың сизди жоқ қылыўды қарар еткенин билемен, – деди.
17. Яҳуда патшасы Амасия кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң, Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
18. Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти.
19. Эдомлыларды жеңдим деп, мақтанып, көкирегиң көтерилип кетипти. Жақсысы, үйиңде отыр! Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
20. Деген менен, Амасия қулақ аспады. Бул Қудайдың иси еди. Амасияның Эдомның қудайларына табынғаны ушын, Қудай оларды душпанның қолына бериўге қарар қылған еди.
21. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди.
22. Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты.
23. Израил патшасы Еҳоаш Еҳоахаздың ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алып, оны Ерусалимге алып келди. Еҳоаш Ерусалим дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады.
24. Ол Қудайдың Ибадатханасындағы Обед-Эдомның жуўапкершилиги астындағы ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме буйымларды, патша сарайындағы қазнаны, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып, Самарияға қайтып кетти.
25. Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди.
26. Амасияның басқа ислери, басынан ақырына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27. Амасия Жаратқан Ийеден бас кешкен күннен баслап, Ерусалимде оған қарсы тил бириктириле баслады. Ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти.
28. Олар Амасияның денесин атқа артып, алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.
1. Буннан кейин, Яҳуданың пүткил халқы он алты жасар Уззияны* әкеси Амасияның орнына патша етип қойды.
2. Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурған усы Уззия еди.
3. Уззия он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди.
4. Уззия да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
5. Өзине Қудайдан қорқыўды үйреткен Зехарияның көзиниң тирисинде Уззия Қудайға умтылып жасады. Ол Жаратқан Ийеге умтылып жасағанында, Қудай оны табыслы қылды.
6. Уззия филистлерге урыс ашып, Гат, Ябне ҳәм Ашдод қалаларының дийўалларын қулатты. Кейин Ашдод жанына ҳәм филистлерге қараслы басқа жерлерге қалалар қурды.
7. Филистлерге, Гур-Баалда жасайтуғын арабларға ҳәм меунимлилерге қарсы урыста Қудай оған жәрдем берди.
8. Аммонлар Уззияға салық төлейтуғын болды. Оның күшейгенлиги соншелли, даңқы Мысыр шегараларына дейин жетти.
9. Уззия Ерусалимде Мүйеш дәрўазасының, Ойпатлық дәрўазасының ҳәм дийўаллардың мүйешлериниң үстине минаралар қурып, оларды беккемледи.
10. Ол шөлге де минаралар қурғызды, көплеген суў сақлағышлар қаздырды. Себеби оның батыстағы таў етеклеринде ҳәм кеңисликте бағылып атырған маллары көп еди. Ал таўларда ҳәм өнимдар жерлерде дийханлары менен жүзим өсириўши бағманлары мийнет етти. Уззия дийханшылықты сүйди.
11. Уззияның топарларға бөлинип, ҳәрдайым урысқа таяр турған ләшкерлери бар еди. Оларды дизимге алып, топарларға бөлиў исин патшаның ўәзирлеринен бири Хананияның басшылығында хаткер Еиел ҳәм қадағалаўшы Маасея алып барды.
12. Бул мәрт жаўынгерлерге жетекшилик ететуғын әўлад басшыларының улыўма саны еки мың алты жүз еди.
13. Олардың қол астында урысқа жарамлы үш жүз жети мың бес жүз әскер болып, патшаға душпанларына қарсы урысыўда жәрдем беретуғын үлкен күш еди.
14. Уззия пүткил орданы қалқан, найза, дуўлыға, саўыт, оқ жай ҳәм сақпанның таслары менен тәмийинледи.
15. Ол Ерусалимдеги минаралар үстине ҳәм қала дийўалының мүйешлерине өзиниң алымлары ойлап тапқан оқ ататуғын ҳәм үлкен тасларды ылақтыратуғын урыс қуралларын орнатты. Оның даңқы алысларға жайылды. Ол Қудайдан үлкен жәрдем алғанлықтан, қүдиретли патшаға айланды.
16. Деген менен, Уззияның қүдиретли болыўы, оның менменсип қулаўына алып келди. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге деген садықлығын бузып, түтетки түтетилетуғын орында түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирди.
17. Руўханий Азария менен Жаратқан Ийениң сексен батыр руўханийи патшаның изинен ишке кирип,
18. патшаның жолын тосып, оған былай деди: «Уззия, Жаратқан Ийеге арнап түтетки түтетиўге ҳақыңыз жоқ! Түтетки түтетиў – бул Харон урпақларынан болған бағышланған руўханийлердиң иси. Мухаддес орыннан шығып кетиң! Сиз жынаятқа қол урдыңыз. Қудай Ийе де бул исиңизди мақулламайды».
19. Түтетки түтетиў ушын, хош ийисли затлар салынған табаны қолына услап турған Уззия руўханийлерге қатты ашыўланды. Сол ўақытта-ақ, олардың көз алдында Уззияның маңлайында жаман тери кеселлигиниң дағы пайда болды. Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы түтетки түтетилетуғын орын жанында жүз берген еди.
20. Бас руўханий Азария ҳәм барлық руўханийлер патшаға қарағанда, оның маңлайында жаман тери кеселлиги пайда болғанын көрди ҳәм оны сыртқа шығарыўға асықты. Патшаның өзи де Жаратқан Ийениң жазасына жолыққанын түсинип, ол жерден кетиўге асықты.
21. Ол бир өмир жаман тери кеселлигинен қутыла алмады. Сонлықтан ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кире алмай, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды.
22. Уззияның басқа ислерин басынан ақырына дейин, Амос улы пайғамбар Ийшая жазып қалдырған.
23. Уззия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, жаман тери кеселлиги менен аўырғанлығы себепли, патшалар қойылатуғын қәбирге емес, ал оның қасындағы атызға жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.
1. Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди.
2. Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Оның әкесинен айырмашылығы, ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бастырып кирмеди. Деген менен, халық жаўызлықларын даўам ете берди.
3. Иотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды ҳәм қала дийўалының Офел төбешигиндеги бөлегин оңлап, үлкен жумыслар иследи.
4. Буннан тысқары, патша Яҳуданың таўлы үлкесине бир қанша қалалар қурдырды, орманлы жерлерге қорғанлар менен минаралар салдырды..
5. Ол аммонлардың патшасы менен урысып, жеңиске еристи. Сол жылы аммонлар Иотамға салық ретинде жүз талант гүмис, он мың кор бийдай ҳәм он мың кор арпа төледи. Екинши, үшинши жылы да олар солай иследи.
6. Иотам Қудайы Жаратқан Ийеге бойсынып жасағаны ушын, қүдиретли патшаға айланды.
7. Иотамның басқа ислери, жүргизген барлық урыслары ҳәм басқа ис-ҳәрекетлери Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
8. Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти.
9. Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.
1. Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол бабасы Даўытқа уқсамады, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислемеди.
2. Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Баалларға табыныў ушын қуйма бут мүсинлерин ислетти.
3. Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында қурбанлықлар жандырды, ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып қурбан етти.
4. Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.
5. Сол себепли Қудайы Жаратқан Ийе Ахазды Арам патшасының қолына берди. Арамлылар оны жеңип, халқынан көп адамларды тутқын етип, Дамаскке алып кетти. Буннан тысқары, оны Израил патшасының да қолына берди. Израил патшасы Ахазды үлкен қырғынға ушыратты.
6. Израил патшасы Ремалия улы Пеқах бир күнде Яҳуда әскерлеринен бир жүз жигирма мың баҳадыр жаўынгерди өлтирди. Себеби олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди.
7. Эфрайымлы Зихрий атлы батыр әскер патшаның улы Маасеяны, сарай басқарыўшысы Азриқамды ҳәм патшаның бас ўәзири Элқананы өлтирди.
8. Израиллылар өзлериниң туўысқаны болған яҳудалылардан еки жүз мың ҳаял ҳәм балаларды тутқын қылып, көп олжа менен бирге Самарияға алып кетти.
9. Самарияда Жаратқан Ийениң Одед атлы пайғамбары бар еди. Ол қайтып киятырған ләшкерлердиң алдынан шығып, оларға былай деди: «Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ғәзепленгени ушын оларды сизлерге тәслим етти. Бирақ сизлердиң оларды қандай қәҳәрге минип қырғаныңыз аспанға жетип барды.
10. Бул аз болғандай, енди болса Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын өзлериңизге қул қылмақшысыз. Өзлериңиз не, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳеш гүна қылмадыңыз ба?
11. Сонлықтан маған қулақ салып, тутқынға алған туўысқанларыңызды изге қайтарыңлар! Өйткени, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби үстиңизге дөнип тур!»
12. Сонда Эфрайым халқының айырым көсемлери: Еҳоханан улы Азария, Мешиллемот улы Берехия, Шаллум улы Хизкия ҳәм Хадлай улы Амаса урыстан қайтқанларға қарсы турып:
13. «Тутқынларды бул жерге алып келмеңлер. Бизлер Жаратқан Ийениң алдында айыплы болып қаламыз. Ямаса гүна ҳәм айыпларымызды және де көбейтиўди қәлейсизлер ме? Онысыз да айыпларымыз көп, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби Израилдың үстине дөнип тур», – деди.
14. Сонда әскерлер тутқынлар менен олжаларды көсемлер менен пүткил жыйын турған жерге қалдырып кетти.
15. Жоқарыда аты аталған төрт көсем орынларынан турып, тутқынларға ғамхорлық етти. Олардың кийими жоқларына олжадағы кийимлерден алып, кийим кийгизди, аяқ кийим берди, ишкизип-жегизди, жараларына май жақты. Ҳалдан тайғанларын ешекке мингизип, ҳәммесин пальма ағашлары өсетуғын Ерихо қаласындағы ағайинлерине алып барды. Кейин өзлери Самарияға қайтты.
16. Сол арада патша Ахаз жәрдем сорап, Ассирия патшасына елши жиберди.
17. Себеби эдомлылар қайтадан Яҳудаға ҳүжим жасап, адамларын тутқын етип, алып кеткен еди.
18. Буның үстине, филистлер Яҳуданың батысындағы таў етеклериндеги ҳәм қубласындағы қалаларға шабыўыл жасап, Бейт-Шемеш, Айялон, Гедерот қалаларын, сондай-ақ Сохо, Тимна, Гимзо қалаларын әтирапындағы аўыллары менен қоса басып алып, ол жерлерге қонысланып алды.
19. Жаратқан Ийе Яҳуданы патшасы Ахаздың кесиринен аяқ-асты қылды. Ахаз Яҳуданы гүнаға баслап, өзи де Жаратқан Ийеге опасызлық еткен еди.
20. Солай етип, Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер Ахазға келди. Бирақ ол жәрдем бериўдиң орнына, оны қысқыға ала баслады.
21. Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы, өзиниң сарайындағы ҳәм ҳәкимлериниң үйлериндеги баҳалы нәрселерди алып, Ассирия патшасына салық ретинде берди. Бирақ бул да оған жәрдем бермеди.
22. Аўыр күнлерди басынан кеширип атырса да, Ахаз Жаратқан Ийеге деген опасызлығын бурынғыдан да күшейтти. Аўа, ол – патша Ахаз-дә!
23. Ол: «Арам патшаларының қудайлары оларға жәрдем берип келмекте. Енди оларға қурбанлық берсем, олар да маған жәрдем берер», – деп ойлап, өзин жеңилиске ушыратқан Дамаск қаласының қудайларына қурбанлықлар берди. Бирақ, тилекке қарсы, олар Ахаздың өзиниң ҳәм пүткил Израилдың қулаўына себепши болды.
24. Ахаз Қудайдың Ибадатханасындағы буйымларды жыйнап, майдалады. Және, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын жаптырып таслады ҳәм Ерусалим көшелериниң ҳәр бир мүйешине қурбанлық орынлар қурдырды.
25. Ол басқа қудайларға арнап түтеткилер түтетиў ушын, Яҳуданың ҳәр бир қаласына сыйыныў орынларын қурып, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени ғәзеплендирди.
26. Ахаздың басқа ислери ҳәм барлық ис-ҳәрекетлери бастан аяғына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27. Ахаз өлип ата-бабаларына қосылды ҳәм Ерусалим қаласында жерленди. Бирақ оны Израил патшаларының мазарына қоймады. Оның орнына улы Хизкия патша болды.
1. Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия* болып, ол Зехарияның қызы еди.
2. Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
3. Хизкия өз патшалығының биринши жылының биринши айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын ашып, оларды дүзеттирди.
4. Соңынан руўханийлер менен лебийлилерди шақыртып, Ибадатхананың шығыс тәрепиндеги майданға жыйнады ҳәм
5. оларға былай деди: «Лебийлилер, мени тыңлаңлар! Өзлериңизди тазаланыў рәсиминен өткерип, пәклениңлер, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын да пәклеңлер! Ҳарам нәрселерди бул Мухаддес орыннан шығарып таслаңлар!
6. Ата-бабаларымыз опасызлық қылып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Оны тәрк етти. Олар Жаратқан Ийениң қонысынан жүз бурып, Оған арқасын қаратты.
7. Олар Ибадатхана айўанының қапыларын жаўып таслап, шыраларын да өширип қойды. Израилдың Қудайының Мухаддес орнында түтеткилер де түтетпей, жандырылатуғын қурбанлықларды да усынбай қойды.
8. Сол себепли, Яҳуда менен Ерусалим Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырады. Өз көзлериңиз бенен көргениңиздей, Жаратқан Ийениң оларға ислегенлери басқаларды қорқытып, ҳүрейлерин ушырды.
9. Қараңлар, сонлықтан әкелеримиз қылыштан қаза тапты, ул-қызларымыз бенен ҳаялларымыз тутқында жүр.
10. Енди мен бизлерге деген лаўлаған ғәзебинен қайтыўы ушын, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен келисим дүзиўди қәлеймен.
11. Балаларым, бийпәрўа болмаңлар! Себеби Жаратқан Ийе сизлерди Өзиниң алдында турып хызмет етиўиңиз ҳәм қурбанлықлар жағыўыңыз ушын таңлап алған еди».
12. Сонда мына лебийлилер хызметти баслады: Қоҳат урпағынан: Амасай улы Махат, Азария улы Иоел; Мерарий урпағынан: Абдий улы Киш, Еҳаллелел улы Азария; Гершон урпағынан: Зимма улы Иоах, Иоах улы Эден;
13. Элисафан урпағынан: Шимрий ҳәм Еиел; Асаф урпағынан: Зехария ҳәм Маттания;
14. Ҳеман урпағынан: Ехиел ҳәм Шимей; Едутун урпағынан: Шемая ҳәм Уззиел.
15. Бул лебийлилер туўысқанларын жыйнап алып, пәклениў рәсиминен өтти. Соңынан патшаның буйрығы бойынша, Жаратқан Ийениң сөзине муўапық, Оның Ибадатханасын пәклеўге келди.
16. Руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын пәклеў ушын ишке кирип, оннан тапқан ҳарам нәрселердиң бәрин ҳәўлиге шығарды. Лебийлилер оларды алып, Кидрон сайына апарып таслады.
17. Олар биринши айдың биринши күни пәклеўди баслап, сол айдың сегизинши күни Ибадатхана айўанына жетти. Олар және сегиз күн Ибадатхананың өзин пәкледи ҳәм биринши айдың он алтыншы күни пәклеў исин жуўмақлады.
18. Соңынан патша Хизкияға барып: «Бизлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын орынды ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрселерди, усынылған нанлар қойылатуғын столды ҳәм оған тийисли барлық нәрселерди толық пәкледик.
19. Ахаз патшаның өз ҳүкимдарлығы ўақтында Қудайға бийопалық етип, шығарып таслаған нәрселерин таярлап, пәкледик. Олар ҳәзир Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының жанында тур», – деди.
20. Ертеңине патша Хизкия ерте турып, қала ҳәкимлерин жыйнады ҳәм оларды ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жол алды.
21. Олар патшалық, Мухаддес орын ҳәм Яҳуда халқы ушын гүналарын өтеў қурбанлығы етип жети буға, жети қошқар, жети тоқлы ҳәм жети теке алып келди. Патша Харон урпақларынан болған руўханийлерге буларды Жаратқан Ийениң қурбанлық орны үстинде қурбанлыққа бериўди буйырды.
22. Руўханийлер дәслеп тоқлыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи. Соңынан қошқарларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи, кейин қозыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи.
23. Ақырында, гүна қурбанлығы ушын берилген текелерди патша менен пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. Олар текелердиң үстине қолларын қойды.
24. Кейин руўханийлер текелерди сойып, қанын пүткил Израил халқының гүналардан тазаланыўы ушын, гүнаның қуны ретинде қурбанлық орынға септи. Себеби патша жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм гүна қурбанлықлары пүткил Израил халқы ушын берилсин, деп буйырған еди.
25. Соңынан патша Даўыттың, оның ўәлийи Гадтың ҳәм пайғамбары Натанның көрсетпесине муўапық, лебийлилерге кимбал, арфа ҳәм лира берип, оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына орналастырды. Усылай ислеўди Жаратқан Ийе Өз пайғамбарлары арқалы буйырған еди.
26. Лебийлилер Даўыттың саз әсбаплары менен, руўханийлер кәрнайлар менен өз орынларын ийеледи.
27. Хизкия жандырылатуғын қурбанлықты қурбанлық орында усыныўды буйырды. Қурбанлықлар жандырыла баслағанда, кәрнайларға ҳәм Израил патшасы Даўыттың саз әсбапларына қосылып, Жаратқан Ийеге арнап қосықлар айтыла баслады.
28. Қурбанлық жандырылып болынғанша, пүткил жыйналғанлар тәжим етип, қосықшылар қосық айтып, кәрнайшылар кәрнайларын шертип турды.
29. Қурбанлық бериў тамам болғанда, патша ҳәм оның жанындағылар дизелерин бүгип, сыйынды.
30. Патша Хизкия ҳәм оның хызметшилери лебийлилерге Даўыттың ҳәм ўәлий Асафтың сөзлери менен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыўды буйырды. Олар қуўаныш пенен алғыс-мақтаў айтты, сыйынды ҳәм тәжим етти.
31. Кейин Хизкия: «Мине, сизлер өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышладыңлар. Енди жақынырақ келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын алып келиңлер», – деди. Сонда жыйналғанлар қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын берди. Айырым қәлеўшилер болса, жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди.
32. Халық алып келген жандырылатуғын қурбанлықлардың улыўма саны мынадай болды: жетпис буға, жүз қошқар, еки жүз тоқлы. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге арнап жандырыў ушын алып келинген еди.
33. Басқа мухаддес қурбанлықлар ушын да алты жүз бас ири мал, үш мың бас майда мал да алып келинди.
34. Бирақ руўханийлер дым аз болғанлықтан, жандырылатуғын қурбанлықлардың терисин сылып үлгере алмай атырған еди. Сол себепли ис тамам болғанша ҳәм басқа руўханийлер пәклениў рәсиминен өтип болғанша, лебийли туўысқанлары оларға жәрдем берди. Себеби лебийлилер пәклениў рәсимине руўханийлерге қарағанда итибарлырақ еди.
35. Татыўлық қурбанлықларының майы ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм оның менен берилетуғын ишимлик садақалары мол болды. Усылайынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының хызмети қайта тикленди.
36. Хизкия ҳәм пүткил халық Қудайдың халық ушын ислеген ислерине қуўанды. Себеби бул ис қысқа ўақыт ишинде жүз берди.
1. Хизкия пүткил Израил ҳәм Яҳудаға хабар жиберип, Эфрайым ҳәм Менашше урыўларына да хат жазып, оларды Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына мирәт етти.
2. Патша, оның ўәзирлери ҳәм Ерусалимдеги пүткил жыйын кеңесип, байрамды екинши айда өткериўди шешти.
3. Олар байрамды белгиленген ўақытта, биринши айда өткере алмаған еди. Себеби пәклениў рәсиминен өткен руўханийлер жеткиликсиз болды ҳәм халық та Ерусалимге жыйналып үлгермеди.
4. Бул усыныс патшаға да, пүткил жыйынға да унады.
5. Солай етип, олар пүткил Израил бойлап, қубладағы Беер-Шебадан арқадағы Данға шекемги пүткил халық Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимге келсин деп жәриялаўды шешти. Себеби бул байрам жазылғанға сай улыўма халықлық байрам сыпатында нышанланбай киятырған еди.
6. Патшаның буйрығы бойынша, шабарманлар патшаның ҳәм оның хызметкерлериниң жазған хатын пүткил Израил ҳәм Яҳуда бойлап таратты. Онда былай деп жазылған еди: «Израил халқы, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қайтыңлар! Сонда Ол да сизлерге, Ассирия патшаларының қолынан аман қалғанларға қайтады.
7. Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге опасызлық еткен ата-бабаларыңыз ҳәм туўысқанларыңыз сыяқлы болмаңлар! Көрип турғаныңыздай, Жаратқан Ийе оларды қорқынышлы көриниске алып келди.
8. Ата-бабаларыңыз сыяқлы қайсар болмай, Жаратқан Ийеге бойсыныңлар! Оның мәңгиге мухаддес қылған Мухаддес орнына келип, үстиңизге дөнип турған Оның лаўлаған ғәзебиниң басылыўы ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер!
9. Егер Жаратқан Ийеге жүз бурсаңыз, ағайинлериңизди ҳәм балаларыңызды тутқында услап турғанлар оларға реҳим етип, оларды усы елге қайтарады. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе мийримли ҳәм реҳимли. Егер Оған қайтсаңыз, Ол сизлерден жүз бурмайды».
10. Солай етип, шабарманлар Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин Зебулонға шекем қалама-қала аралап шықты. Бирақ адамлардың көпшилиги жаршылардың үстинен күлип, масқаралады.
11. Деген менен, Ашер, Менашше ҳәм Зебулон урыўларының айырымлары бойсынып, Ерусалимге келди.
12. Жүреклерине бирлик руўхын сыйлаған Жаратқан Ийениң қолы да Яҳуда үстинде болып, халықта патша ҳәм оның ўәзирлериниң Жаратқан Ийениң сөзи бойынша берген буйрығын орынлаўға деген қәлеў туўдырды.
13. Екинши айда Ашытқысыз нан байрамын нышанлаў ушын, жүдә үлкен аламан Ерусалимге жыйналды.
14. Олар иске кирисип, Ерусалимдеги жат қудайларға арналған қурбанлық орынларды ҳәм түтетки түтетилетуғын барлық қурбанлық орынларды қыйратып, Кидрон сайына ылақтырды.
15. Екинши айдың он төртинши күни олар Қутқарылыў байрамына арналған қурбанлық қозысын шалды. Руўханийлер менен лебийлилер уялып қалып, өзлерин пәкледи ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди.
16. Кейин олар Қудайдың адамы Муўсаның нызамы бойынша, өз орынларын ийеледи. Руўханийлер лебийлилер әкелип берген қурбанлық қанын алып, қурбанлық орынға септи.
17. Халық арасында өзлерин пәклемеген адамлар көп еди. Сонлықтан тазаланыў рәсиминен өтпегенлердиң Қутқарылыў қурбанлығын сойыў ҳәм оларды Жаратқан Ийеге бағышлаў лебийлилерге жүкленди.
18. Халықтың көпшилиги, әсиресе Эфрайым, Менашше, Иссахар ҳәм Зебулон урыўларынан келгенлердиң көбиси пәклениў рәсиминен өтпеген болса да, Қутқарылыў байрамының асынан жеп, қағыйданы бузды. Бирақ Хизкия олар ушын былай деп дуўа етти: «Ийгиликли Жаратқан Ийе!
19. Бул адамлар Мухаддес орынның нызамына сай өзлерин пәклемеген болса да, олар ата-бабаларының Қудайы – Қудай Ийени шын жүректен изледи, сонлықтан олардың ҳәр бирин кешире гөр!»
20. Жаратқан Ийе Хизкияның дуўасын еситти ҳәм халықты кеширди.
21. Ерусалимге жыйналған израиллылар жети күн даўамында үлкен қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын нышанлады. Лебийлилер менен руўханийлер Жаратқан Ийени тәрийиплеўге арналған саз әсбаплары менен ҳәр күни Жаратқан Ийеге арнап алғыс-мақтаў айтты.
22. Хизкия Жаратқан Ийеге деген хызметлерин шеберлик пенен атқарған лебийлилерди жигерлендирди. Халық жети күн даўамында татыўлық қурбанлықларын берди, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар айтып, байрам асынан жеди.
23. Пүткил жыйын байрамды және жети күнге созыўға қарар етти. Сөйтип, олар және жети күн қуўаныш пенен байрам қылды.
24. Яҳуда патшасы Хизкия жыйналғанларға мың буға ҳәм жети мың қой-ешки берди. Ал ҳәмелдарлар болса, мың буға ҳәм он мың қой-ешки берди. Жүдә көп руўханийлер пәклеў рәсиминен өткен еди.
25. Пүткил Яҳуда халқы, руўханийлер, лебийлилер, Израилдан келгенлер, Израилдан келип Яҳудада жасап атырған жат жерлилер қуўанышқа толған еди.
26. Ерусалимде уллы қуўаныш ҳүким сүрди. Себеби Израилдың патшасы Даўыт улы Сулайманның дәўиринен бери Ерусалимде бундай байрам болып көрмеген еди.
27. Руўханийлер менен лебийлилер халыққа пәтия берди. Қудай оларды еситти, олардың дуўалары көклерге, Оның мухаддес мәканына жетип барды.
1. Байрам толық тамам болғаннан кейин, оған қатнасқан израиллылардың барлығы Яҳуда қалаларына барып, кийели тасларды майдалап, кийели ағашларын кесип таслады. Олар пүткил Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлериндеги сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын бирде биреўин қалдырмай бузып таслады. Соңынан израиллылар өз қалаларына, өз ийеликлерине қайтты.
2. Хизкия руўханийлер менен лебийлилерди атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, топарларға бөлди. Олардың айырымларына жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын усыныў, айырымларына Жаратқан Ийениң мәканының дәрўазаларында хызмет етиў, айырымларына тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў қосықларын айтыў тапсырылды.
3. Патша Жаратқан Ийениң нызамына муўапық, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийениң Нызамында белгиленген байрамларда усынылатуғын жандырылатуғын қурбанлықлар ушын өз мал-мүлкинен маллар ажыратты.
4. Руўханийлер менен лебийлилердиң өзлерин Жаратқан Ийениң Нызамын орынлаўға бағышлаўы ушын, патша Ерусалимде жасайтуғын халыққа руўханийлер менен лебийлилерге тийисли болған пайларын берип турыўды буйырды.
5. Бул пәрман жәрияланыўдан-ақ, израиллылар бийдайдың, жаңа шараптың, зәйтүн майының, палдың, жерден өнген барлық өнимлердиң биринши зүрәәтинен сақыйлық пенен алып келе баслады. Сондай-ақ қолларында бар болғаннан мол етип үсир берди.
6. Яҳуда қалаларында жасап атырған израиллылар менен яҳудалылар да өз сүриў ҳәм падаларынан үсир берди, және Қудайы Жаратқан Ийеге арналған мухаддес затларынан да үсир берип, оларды бир жерге жыйнап үйин-үйин қылды.
7. Олар бул исти үшинши айда баслап, жетинши айда тамамлады.
8. Патша Хизкия ҳәм оның ҳәмелдарлары келип, үйинлерди көргенде, Жаратқан Ийеге алғыс айтып, Оның халқы Израилға пәтиясын берди.
9. Хизкия руўханийлер менен лебийлилерден бул үйинлер ҳаққында сорағанда,
10. Садоқ тийресинен болған бас руўханий Азария жуўап берип: «Халық Жаратқан Ийениң Ибадатханасына садақаларын алып келе баслағаннан бери, тамағымыз тоқ, артып та қалмақта. Жаратқан Ийе Өз халқын жарылқағанлықтан, аўысығының өзи ағыл-тегил», – деди.
11. Сонда Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасына зат сақланатуғын бөлмелер қурыўды буйырды ҳәм олар қурылды.
12. Бул бөлмелерге барлық садақалар, үсирлер, бағышланған затлар садықлық пенен апарып қойылды. Бул ислердиң басында лебийли Кенания турды, ал иниси Шимей оның орынбасары болды.
13. Патша Хизкия ҳәм Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшысы Азарияның тапсырмасы бойынша, Ехиел, Азазия, Нахат, Асаҳел, Еримот, Иозабад, Элиел, Исмахия, Махат ҳәм Беная Кенания менен оның иниси Шимейдиң қол астында бақлаўшылар хызметин атқара баслады.
14. Ибадатхананың Шығыс дәрўазасының қараўылы лебийли Имна улы Қоре Қудайға ықтыярлы түрде берилген қурбанлықларға жуўапкер болып, ол Жаратқан Ийеге аталған сыйларды ҳәм бағышлап, арнаўлы түрде берилген сыйларды бөлип бериў ўазыйпасын алып барды.
15. Эден, Минямин, Ешуа, Шемая, Амария ҳәм Шекания руўханийлер жасап атырған қалаларда руўханийлерге тийисли үлеслерин топарлары бойынша, үлкен- кишисине бирдей етип бөлип бериўде Қореге жәрдемлести.
16. Буннан тысқары, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип, өзиниң ўазыйпасы ҳәм топарына сай ондағы күнделикли жумысларды атқаратуғын үш жас ҳәм оннан жоқары болған, шежиреге киргизилген еркеклерге,
17. сондай-ақ, әўладлары бойынша шежиреге киргизилген руўханийлерге, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилерге ўазыйпалары менен топарларына сай үлес бөлип берди.
18. Және де, руўханийлер менен лебийлилердиң шежиреге киргизилген нәрестелерине, ҳаялларына ҳәм ул-қызларына да үлес тийди. Себеби олар өзлерин садықлық пенен Қудайға бағышлаған еди.
19. Қалаларының әтирапындағы аўылларда жасап атырған Харон урпақларынан болған руўханийлерге келсек, олардан болған барлық еркеклерге ҳәм лебийлилердиң шежиресине кирген ҳәр бир адамға тийисли үлесин бериў ушын атлары аталып, айырым адамлар тайынланды.
20. Хизкия пүткил Яҳуда бойлап усылай ис алып барды. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде ийгиликли, туўры ҳәм ҳадал ислерди иследи.
21. Ол Қудайдың Ибадатханасындағы хызметте ҳәм Нызам менен буйрықларға әмел қылыў ислеринде нелер ислеген болса да, Қудайына бойсынып, шын жүректен ҳәрекет етти. Нәтийжеде ол табысқа еристи.
1. Хизкияның садықлық пенен ислеген усындай ислеринен кейин, Ассирия патшасы Санхериб келип, Яҳудаға ҳүжим жасады. Ол қорғанлы қалаларын қамал қылып, басып алыўды ойлады.
2. Санхерибтиң Ерусалимге келип, урыс ашпақшы болғанын көрген Хизкия,
3. ўәзирлери ҳәм әскербасылары менен қала сыртындағы суў көзлерин питеп таслаўды кеңести. Олар да патшаны қоллады.
4. Көп халық жыйналып: «Ассирия патшалары не ушын мол суўға ийе болар екен?» – деп, ел бойлап ағып турған барлық суў көзлерин питеп, дәрьяларды бөгеп таслады.
5. Хизкия күшин топлап, дийўаллардың жығылған жерлерин қайта тиклеп, үстине минаралар салды. Ол дийўал сыртынан тағы бир дийўал өрдирип, Даўыттың қаласындағы Миллоны беккемледи. Және де, ол көплеген қурал- жарақлар ҳәм қалқанлар ислетти.
6. Патша халыққа әскербасылар тайынлап, оларды қала дәрўазасы алдындағы майданға жыйнады ҳәм былай деп жигерлендирди:
7. «Күшли ҳәм мәрт болыңлар! Ассирия патшасы ҳәм оның сансыз ордасы себепли қорқып, руўхларыңыз түспесин! Себеби бизлер менен Болған, олар менен болғаннан күшлирек!
8. Олар тәрепте адам күши болса, бизлер тәрепте бизлерге жәрдем беретуғын ҳәм бизлер ушын урысатуғын Қудайымыз Жаратқан Ийе бар». Халық Яҳуда патшасы Хизкияның сөзлеринен жигерленди.
9. Буннан кейин, Ассирия патшасы Санхериб пүткил ләшкерлери менен Лахиш қаласын қамал қылып турған ўақытта, Яҳуда патшасы Хизкияға ҳәм Ерусалимдеги пүткил Яҳуда халқына мына хабарды жеткериў ушын өз хызметкерлерин Ерусалимге жиберди:
10. «Ассирия патшасы Санхериб былай дейди: „Сизлер неңизге үмит байлап, қамал ишинде қалған Ерусалимде отырсыз?
11. Хизкия сизлерди: Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерди Ассирия патшасының қолынан қутқарады, – деп алдап, ашлық пенен шөлден набыт қылмақшы.
12. Қудайға арналған сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын қыйратып, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек бир қурбанлық орында Қудайға сыйынып, тек оның үстинде қурбанлықларды түтетип жандырыңлар, – деген усы Хизкия емес пе?
13. Расында да, мен ҳәм мениң ата-бабаларымның басқа еллердиң халықларына не ислегенимизди билмейсизлер ме? Сол жердеги халықлардың қудайлары өз жерин мениң қолымнан қутқара алды ма?
14. Ата-бабаларым толық қырып таслаған усы халықлардың қудайларының қайсы бири өз халқын мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, қалайынша сизлердиң Қудайыңыз сизлерди мениң қолымнан қутқара алады?
15. Хизкияның өзлериңизди алдап, жолдан урыўына жол қоймаңлар! Оған исенбеңлер! Себеби ҳеш бир халықтың яки патшалықтың қудайы өз халқын мениң қолымнан ямаса ата-бабаларымның қолынан қутқара алмаған. Енди сизлерди мениң қолымнан қутқара алатуғындай, қудайыңыз ким болыпты?!“»
16. Санхерибтиң хызметкерлери Қудай Ийеге ҳәм Оның қулы Хизкияға қарсы тағы бир талай сөзлер айтты.
17. уның үстине, Санхериб Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге тил тийгизип хат жазып, Оған қарсы мына сөзлерди айтыпты: «Басқа жерлердиң қудайларының өз халқын меннен қутқара алмағанындай, Хизкияның Қудайы да Өз халқын мениң қолымнан қутқара алмайды».
18. Хатты алып келгенлер бул сөзлерди дийўал үстиндеги Ерусалим турғынларына қарай еврей тилинде бақырып айтты. Олар халықты қорқытып, ҳүрейин ушырып, қаланы тезирек қолға киргизбекши болды.
19. Олар Ерусалимниң Қудайы ҳаққында жер бетиндеги басқа халықлардың адам қолы менен жаратылған қудайы ҳаққында айтқандай қылып сөйледи.
20. Патша Хизкия ҳәм Амос улы пайғамбар Ийшая усы ушын дуўа етип, көклерге қарап жалбарынды.
21. Сонда Жаратқан Ийе Өз периштесин жиберди. Периште Ассирия патшасының ордасындағы барлық батыр жаўынгерлерди, көсемлерди ҳәм әскербасыларды қырып таслады. Санхериб масқара болып елине қайтты. Бир күни ол өз қудайының бутханасына киргенде, оны өз уллары қылыш пенен өлтирди.
22. Солай етип, Жаратқан Ийе Хизкияны ҳәм Ерусалим турғынларын Ассирия патшасы Санхерибтиң ҳәм басқа да душпанларының қолынан қутқарды. Оларды ҳәр тәреплеме қорғап-сақлады.
23. Көплер Ерусалимге келип, Жаратқан Ийеге сыйлар, Яҳуда патшасы Хизкияға қымбатбаҳа затлар алып келди. Сол ўақыттан баслап, Хизкия барлық халықлар арасында жоқары ҳүрметке еристи.
24. ол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол Хизкияны еситип, оған қәстелигинен дүзелетуғын белги берди.
25. Бирақ Хизкия өзине көрсетилген жақсылыққа шүкирлик етпей, менменсип кетти. Сол себепли Жаратқан Ийе оған, Яҳудаға ҳәм Ерусалимге ғәзепленди.
26. Сонда Хизкияның өзи де, Ерусалим турғынлары да өзлериниң менменлиги ушын тәўбе қылды. Сонлықтан Жаратқан Ийениң оларға Хизкияның көзиниң тирисинде ғәзебин шашпады.
27. Хизкия жүдә бай ҳәм абырайлы болды. Ол өзиниң гүмис ҳәм алтыны, қымбатбаҳа таслары, хош ийисли затлары, қалқанлары ҳәм ҳәр түрли қымбатбаҳа затлары ушын қазналар салдырды.
28. Және де, ол дән өнимлери, жаңа шарап ҳәм зәйтүн майы сақланатуғын орынлар, сондай-ақ ири ҳәм майда маллар ушын қоралар қурдырды.
29. Қудай мол байлық инам еткенлиги себепли, патша өзине қалалар қурдырды ҳәм көп санлы падалар менен сүриўлерге ийе болды.
30. Гихон булағының жоқарғы ағысын питеп таслап, суўын жер асты арқалы Даўыттың қаласының батысына ағызған да усы Хизкия еди. Ол ислеген ҳәр бир исинде табысқа еристи.
31. Бирақ, Бабилон ҳүкимдарлары жиберген елшилер елде болған белги ҳаққында сорастырыў ушын келгенде, Қудай сынаў ҳәм жүрегинде не барын билиў ушын, Хизкияны өз еркине қойды.
32. Хизкияның басқа ислери, қылған жақсылықлары Яҳуда ҳәм Израил патшаларының китабындағы Амос улы Ийшая пайғамбардың аянларында баян етилген.
33. Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыт әўладларының қәбирлериниң жоқарысына қойылды. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы оған ҳүрмет көрсетти. Оның орнына улы Менашше патша болды.
1. Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти.
2. Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3. Әкеси Хизкия қыйратып таслаған сыйыныў орынларын қайта тикледи, Баалларға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашларын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4. Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Атым мәңгиге Ерусалимде болады», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6. Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, дуўаханлық қылды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди көп ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7. Менашше өзи ислеткен ойма бутты Қудайдың Ибадатханасына қойды. Қудай Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8. Егер олар Муўса арқалы берген барлық Нызам, қағыйда ҳәм пәрманларыма байланыслы буйрықларымды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына белгилеп берген жерден қайтадан қуўып шығармайман», – деген еди.
9. Бирақ Менашше Яҳуда халқын ҳәм Ерусалим турғынларын жолдан азғырғаны соншелли, Израил халқы өзиниң алдынан Жаратқан Ийе жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10. Жаратқан Ийе Менашшеге ҳәм оның халқына ескертсе де, олар қулақ салмады.
11. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға Ассирия патшасының әскербасыларын жиберди. Олар Менашшени тутқынға алды, мурнына ҳалқа өткерип, қола кисен менен кисенледи ҳәм оны Бабилонға алып кетти.
12. Ол азап шегип атырып, Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм ата- бабаларының Қудайы алдында шын жүректен бас ийди.
13. Ол дуўа етти, Жаратқан Ийе де оның дуўасын қабыл етип, жалбарыныўын еситти. Оны және Ерусалимге, өз тахтына қайтарды. Сонда Менашше Жаратқан Ийениң ҳақыйқаттан да Қудай екенин билди.
14. Буннан кейин, Менашше Даўыттың қаласының сыртқы дийўалын бурынғыдан да бийик етип қайта қурды. Бул дийўал ойпатлықтағы Гихон булағының батысынан Офел төбесин айнала өтип, Балық дәрўазасының киреберисине шекем созылды. Патша Яҳуданың қорғанлы қалаларының ҳәммесине әскербасылар тайынлады.
15. Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан басқа жерлердиң қудайларының мүсинлерин, өзи қойдырған бутларды, Ибадатхана жайласқан таўдағы ҳәм Ерусалимдеги барлық қурбанлық орынларды алдырып, оларды қаладан шығарып таслады.
16. Ол Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тиклеп, онда татыўлық ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын усынды ҳәм Яҳуда халқына Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге хызмет етиўди буйырды.
17. Деген менен, халық сыйыныў орынларында қурбанлық бериўин даўам етти. Бирақ олар берген қурбанлықларын Қудайы Жаратқан Ийеге арнайтуғын еди.
18. Менашшениң басқа ислери, Қудайына арналған дуўасы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атынан оған айтылған ўәлийдиң сөзлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
19. Оның дуўасы, Қудайдың оған реҳим етиўи, барлық гүналары, опасызлығы, сыйыныў орынларына қурғызған бутханаларының орынлары, кийели ағашлары, табынған бутлары ҳаққында барлығы Көзи ашықлардың жылнама китабында жазылған.
20. Менашше өлип, ата-бабаларына қосылғанда, өз сарайына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
21. Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти.
22. Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Ол әкеси соқтырған барлық бутларға қурбанлық берип, оларға хызмет етти.
23. Амон әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийеге қайта жүз бурмады, керисинше, гүна ислеўди арттыра берди.
24. Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
25. Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
1. Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти.
2. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи ҳәм оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
3. Иошия өз патшалығының сегизинши жылында, еле жас болса да, бабасы Даўыттың Қудайын излей баслады. Ал өз патшалығының он екинши жылы Яҳуда менен Ерусалимди сыйыныў орынларынан, кийели ағашлардан, ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлеринен тазалай баслады.
4. Оның басшылығында Баалларға арналған қурбанлық орынлар бузып тасланды, олардың жанындағы түтетки түтетилетуғын орынлар қыйратылды, кийели ағашлар менен ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлери майдаланып, усы бутларға қурбанлық бергенлердиң қәбирлери үстине шашылды.
5. Иошия бутқа хызмет ететуғын руўханийлердиң сүйеклерин өзлериниң қурбанлық орынларының үстинде отқа жақты. Усылайынша ол Яҳуда менен Ерусалимди пәкледи.
6. Кейин Иошия Менашше, Эфрайым, Шимон урыўларының қалаларынан Нафталий жерлерине дейин ҳәм олардың қыйрап қалған аймақларындағы
7. қурбанлық орынларды, кийели ағашларды кести ҳәм бутларды майдалап езди. Ол пүткил Израил ели бойлап түтетки түтетилетуғын орынларды қыйратып, соңынан Ерусалимге қайтып келди.
8. Өз патшалығының он сегизинши жылында, елди ҳәм Ибадатхананы пәклегеннен соң, патша Иошия Асалия улы Шафанды, қала ҳәкими Маасеяны ҳәм жылнамашы Еҳоахаз улы Иоахты Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын жиберди.
9. Олар бас руўханий Хилкияға барып, Қудайдың Ибадатханасына алып келинген барлық гүмислерди оған берди. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер болған лебийлилер бул гүмислерди Менашше ҳәм Эфрайым халқынан, басқа барлық израиллылардан, барлық Яҳуда ҳәм Бенямин халқынан, және Ерусалим турғынларынан жыйнаған еди.
10. Олар гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берди. Бақлаўшылар буны Ибадатхананың бузылған жерлерин дүзетип, қайта тиклеп атырған жумысшыларға төледи.
11. Қаржының бир бөлеги усталар менен қурылысшыларға да берилип, олар сол гүмислерге Яҳуда патшалары қараўсыз қалдырған имаратларды оңлаў ушын, жонылған таслар ҳәм бағаналар менен арқалық ағашлар сатып алды.
12. Бул адамлар жумысын ҳадал иследи. Олардың үстинен Мерарий урпағынан лебийли Яхат пенен Обадияны ҳәм Қоҳат урпағынан лебийли Зехария менен Мешулламды бақлаўшы етип қойды. Саз әсбапларын жақсы шертетуғын барлық лебийлилер
13. жүк тасыўшыларды ҳәм ҳәр бир имараттағы ҳәмме жумысшыларды бақлап жүрди. Лебийлилерден айырымлары хаткерлер, қадағалаўшылар ҳәм дәрўаза қараўыллары хызметин атқарды.
14. Жаратқан Ийениң Ибадатханасына әкелинген гүмисти алып шығып баратырып, руўханий Хилкия Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген Нызам китабын таўып алды.
15. Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди.
16. Шафан китапты патшаға алып келип, оған: «Қулларыңыз өзлерине тапсырылғанның ҳәммесин ислеп атыр.
17. Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бар гүмислерди алып, бақлаўшылар менен жумысшыларға берди», – деп хабар берди.
18. Соңынан хаткер Шафан: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға даўыслап оқып берди.
19. Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты.
20. Ол Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Миха улы Абдонға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:
21. «Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын да, Израил ҳәм Яҳуда халқының қалғанлары ушын да, Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Жаратқан Ийениң үстимизге жаўдыратуғын ғәзеби уллы, себеби ата-бабаларымыз Жаратқан Ийениң сөзине әмел қылмады. Олар бул китапта жазылғанларға сай ис тутпады».
22. Руўханий Хилкия менен патша жиберген адамлар барып, Хасраның ақлығы Тақҳаттың улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди.
23. Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар:
24. Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының алдында оқылған китапта жазылған барлық нәлетлерди, яғный апатшылықларды усы жерге ҳәм ондағы халыққа жаўдырмақшыман.
25. Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге ғәзебим төгиледи ҳәм ол тоқтамайды“.
26. Жаратқан Ийениң еркин билиў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сен еситкен сөзлер туўралы былай дейди:
27. „Бул жер ҳәм ондағы халыққа қарсы айтқан сөзлеримди еситкениңде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен Маған бойсынып, кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. Бул Жаратқан Ийениң сөзлери.
28. Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге ҳәм бул жерде жасайтуғынларға жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“». Олар бул хабарды патшаға жеткизди.
29. Сонда патша адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын жыйнады.
30. Ол Яҳуда халқын, Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, лебийлилерди ҳәм үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Кейин патша оларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин даўыслап оқып берди.
31. Патша өзиниң арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын ҳәм қағыйдаларын шын жүректен, жан- тәни менен орынлаўға, усы китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти.
32. Ол Ерусалимде ҳәм Бенямин жеринде жасайтуғын адамларға усы антты тастыйықлаўды буйырды. Ерусалим турғынлары Қудайдың, ата-бабаларының Қудайының келисимине садық қалды.
33. Иошия Израилға қараслы барлық аймақлардағы жеркенишли бутларды алып таслап, Израилда жасайтуғынлардың ҳәммесине өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныўды буйырды. Иошияның көзиниң тирисинде халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң жолынан таймады.
1. Иошия Ерусалимде Жаратқан Ийениң ҳүрметине Қутқарылыў байрамын нышанлады. Биринши айдың он төртинши күни қурбанлық қозылары шалынды.
2. Иошия руўханийлерди өз хызметлерине қойып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы хызметин орынлаў ушын, оларды жигерлендирди.
3. Ол пүткил Израил халқына тәлим берип келген, Жаратқан Ийеге бағышланған лебийлилерге былай деди: «Мухаддес сандықты Израил патшасы Даўыттың улы Сулайман қурдырған Ибадатханаға қойыңлар. Оны артық ийинлериңизде көтерип жүриўдиң ҳәжети жоқ. Енди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқы Израилға хызмет етиңлер!
4. Израил патшасы Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпелерине муўапық, әўладыңыз ҳәм топарларыңыз бойынша хызметке таярланыңлар.
5. Мухаддес орында туўысқанларыңыз болған халықтың ҳәр бир әўладына лебийлилердиң бир тобы хызмет етиўге таяр турсын.
6. Қурбанлық қозысын сойып, өзлериңизди пәклеңлер ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, қозыларды туўысқанларыңыз ушын тайынлаңлар».
7. Иошия сол жердеги халыққа Қутқарылыў қурбанлығы ушын, майда малдан отыз мың бас тоқлы ҳәм ылақ, ири малдан үш мың бас буға сыйлады. Булардың ҳәммеси патшаның жеке мүлкинен берилген еди.
8. Патшаның ўәзирлери де ықтыярлы түрде халыққа, руўханийлерге ҳәм лебийлилерге қурбанлықлар сыйлады. Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшылары Хилкия, Зехария ҳәм Ехиел де байрамға арнап, руўханийлерге Қутқарылыў қурбанлығы ушын еки мың алты жүз майда мал ҳәм үш жүз ири мал берди.
9. Сондай-ақ, Кенания ҳәм оның туўысқанлары Шемая менен Нетанел, және де лебийлилердиң көсемлери Хашабия, Еиел ҳәм Иозабад байрамда Қутқарылыў қурбанлығына шалыў ушын лебийлилерге бес мың бас майда мал ҳәм бес жүз бас ири мал берди.
10. Хызмет ушын ҳәммеси таяр болғанда, патша буйырғанындай, руўханийлер өз орынларында, ал лебийлилер өз топарлары менен таяр турды.
11. Қурбанлық қозылары сойылып, руўханийлер өзлерине берилген қанды қурбанлық орынға септи. Лебийлилер малларды териден айырды.
12. Олар Муўсаның китабында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге усыныўы ушын, қурбанлыққа жандырылатуғын малларды халықтың ҳәр бир әўладына бөлип берди. Ири малларды да солай иследи.
13. Қағыйда бойынша, Қутқарылыў байрамының қурбанлығын отта қуўырды, мухаддес қурбанлықларды ҳәр түрли қазанларда асып, пүткил халыққа асығыс үлестирди.
14. Кейин лебийлилер өзлери ҳәм руўханийлер ушын аўқат таярлады. Себеби Харонның урпақларынан болған руўханийлер қас қарайғанша жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм малдың майын өртеў менен бәнт еди. Сонлықтан лебийлилер өзлери ҳәм Харонның урпақларынан болған руўханийлер ушын аўқатты кейин таярлады.
15. Асаф урпағынан болған қосықшылар Даўыт, Асаф, Ҳеман ҳәм патшаның ўәлийи Едутунның буйрығы бойынша белгиленген орынларында турды. Дәрўазалардағы дәрўаза қараўылларына өз орынларын таслап кетиўдиң ҳәжети болмады, себеби олардың туўысқанлары болған лебийлилер олар ушын ҳәммесин таяр қылды.
16. Солай етип, сол күни патша Иошияның буйрығына муўапық, Қутқарылыў байрамын өткериў ҳәм Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жандырылатуғын қурбанлықлар бериўге байланыслы Жаратқан Ийеге арналған ҳәмме хызметлер орынланды.
17. Сол күни сол жерде болған барлық израиллылар Қутқарылыў байрамын нышанлады ҳәм оған қоса, жети күн бойы Ашытқысыз нан байрамын байрамлады.
18. Пайғамбар Самуелдиң күнлеринен бери, Израилда Қутқарылыў байрамы бундай етип нышанланбаған еди. Израил патшаларының ҳеш бири де Иошияның нышанлағаны сыяқлы, руўханийлер, лебийлилер, пүткил Яҳуда халқы, сол жердеги израиллылар ҳәм Ерусалим турғынлары менен бирге Қутқарылыў байрамын байрамламаған еди.
19. Усы Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында болып өтти.
20. Бул ўақыялардан соң, Иошия Ибадатхананы тәртипке келтирип болғанда, Мысыр патшасы Нехо урысыў ушын Евфрат дәрьясы бойындағы Каркемиш қаласына келди. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды.
21. Бирақ Нехо Иошияға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: «Ҳәй, Яҳуда патшасы! Мениң менен не жумысың бар? Бүгин саған қарсы емес, ал өзим менен урысатуғын патшалыққа қарсы урысқа шықтым. Қудай маған асығыўды буйырды, Ол мен тәрепте. Сонлықтан Оған қарсы шықпа, болмаса набыт боласаң».
22. Бирақ Иошия Нехо менен урысыўдан ўаз кешпей, кийимлерин өзгертти. Қудайдың Нехо арқалы айтқан сөзлерине де қулақ салмай, Мегиддо ойпатлығында Нехо менен урысқа киристи.
23. Сол жерде садақшылардың оғы патша Иошияға тийип, ол хызметшилерине: «Мени алып кетиңлер, мен аўыр жарақатландым», – деди.
24. Хызметшилери Иошияны арбасынан алды да, басқа арбаға мингизип, Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. Оны ата-бабаларының қәбирине жерледи. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы ол ушын жоқлаў айтып жылады.
25. Еремия пайғамбар Иошияға арнап жоқлаў жырын шығарды. Усы күнге дейин қосықшылар Иошияны жоқлаў жырлары арқалы еске алады. Бул жоқлаўлар Израилда дәстүрге айланып, олар Жоқлаўлар китабына киргизилген.
26. Иошияның басқа ислери, Жаратқан Ийениң Нызамында жазылғанларға сай алып барған ийгиликли ислери,
27. ҳәмме ўақыялар басынан аяғына шекем Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
1. Яҳуда халқы әкеси Иошияның орнына улы Еҳоахазды Ерусалимде патша етип қойды.  
2. Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти.
3. Мысыр патшасы Нехо оны Ерусалимде тахттан түсирип, Яҳуда елине жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
4. Мысыр патшасы Нехо Яҳуда ҳәм Ерусалим тахтына Еҳоахаздың әжағасы Элякимди отырғызды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды болса, Мысырға алып кетти.
5. Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
6. Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякимге ҳүжим жасады ҳәм оны қола кисенлер менен кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
7. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бир қанша буйымларды алып кетип, Бабилондағы өзиниң бутханасына қойды.
8. Еҳоякимниң басқа ислери, ол ислеген жеркенишли ислер ҳәм оның басына түскен барлық ислер ҳаққында Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Оның орнына улы Еҳоякин патша болды.
9. Еҳоякин сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай он күн патшалық етти. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
10. Ерте бәҳәрде патша Набуходоносор адам жиберип, оны Бабилонға алдыртты. Келгенлер оның менен бирге Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қымбатбаҳа буйымларды да алып кетти. Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Седекияны Яҳуда ҳәм Ерусалимге патша етип қойды.
11. Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти.
12. Седекия да Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Жаратқан Ийениң сөзин хабарлаған Еремия пайғамбар алдында бойсыныўшылық билдирмеди.
13. Седекия Қудайдың аты менен өзине ант иштирген патша Набуходоносорға қарсы бас көтерди. Ол қайсарлық пенен қасарысып, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурмады.
14. Буның үстине, руўханийлердиң ҳәм халықтың барлық басшылары да барған сайын басқа халықлардың жеркенишли ислерине еликлеп, опасызлық қылды ҳәм Жаратқан Ийениң мухаддес қылған Ерусалимдеги Ибадатханасын да ҳарамлады.
15. Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқы ҳәм Өз мәканына жаны ашып, Өз хабаршылары арқалы оларға қайта-қайта ескертти.
16. Бирақ олар Қудайдың хабаршыларын мазақ қылып, Оның сөзлерин писент етпеди ҳәм Оның пайғамбарларының үстинен күлди. Ақырында, Жаратқан Ийениң Өз халқына ғәзепленгени соншелли, енди қутқарылыўдың шарасы жоқ еди.
17. Қудай калдейлердиң патшасын оларға қарсы атландырды. Қалдейлердиң патшасы олардың жасларын Мухаддес орында қылыштан өткерди, жасты да, қыз баланы да, ғаррыны да, ақ шашлыны да аямады. Жаратқан Ийе олардың ҳәммесин Набуходоносордың қолына берди.
18. Ол Қудайдың Ибадатханасындағы үлкен-киши буйымлардың ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазналарын, патшаның ҳәм оның ўәзирлериниң қазналарын Бабилонға алып кетти.
19. Ол Қудайдың Ибадатханасына от қойды, Ерусалимниң дийўалын қулатты, ондағы барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберип, ондағы қымбатбаҳа нәрселердиң ҳәммесин жоқ қылды.
20. Ал қылыштан аман қалғанларды болса, Бабилонға сүргин қылды. Олар Персия патшалығы күшейгенге шекем, Бабилон патшасының ҳәм оның улларының қуллары болды.
21. Солай етип, Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан мына сөзлери орынланды: «Жер жетпис жыл бос қалып, Шаббат дем алысларын өтемегенше дем алады»/
22. Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:
23. «Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адам Ерусалимге барсын. Қудайы Жаратқан Ийе оған яр болсын!“»



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.