Мухаддес Китап
Эзра
1. Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:
2. «Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды.
3. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адамға Қудайы яр болсын! Енди олар Яҳуданың Ерусалим қаласына барып, Ерусалимдеги Қудайдың, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта қурсын.
4. Ҳәзир тири қалған яҳудийлер жасап атырған жерлердиң турғынлары оларды гүмис, алтын, буйым ҳәм маллар менен тәмийинлеў менен бирге, Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасы ушын ықтыярлы садақалар берсин“».Ҳәзир тири қалған яҳудийлер жасап атырған жерлердиң турғынлары оларды гүмис, алтын, буйым ҳәм маллар менен тәмийинлеў менен бирге, Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасы ушын ықтыярлы садақалар берсин“».
5. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының урыўбасылары, руўханийлер, лебийлилер ҳәм Қудай тәрепинен руўхландырылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыў ушын кетиўге таярланды.
6. Ҳәмме қоңсылары ықтыярлы садақаларға қоса, оларға гүмис буйымлар, алтын, мал-мүликлер ҳәм қымбатбаҳа нәрселер берип, жәрдем қолларын созды.
7. Патша Кирдиң өзи Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған затларды, яғный Набуходоносордың Ерусалимнен алып келип, өз қудайының үйине қойған затларын ол жерден шығартты.
8. Персия патшасы Кир оларды қазнашы Митредатқа әкелдирип, Яҳуда ҳәкими Шешбассарға санап тапсыртты.
9. Олардың есабы мынадай еди: Алтын ыдыс – 30 дана, Гүмис ыдыс – 1000 дана, Пышақ – 29 дана,
10. Алтын тостаған – 30 дана, Жуп гүмис тостаған – 410 дана, Басқа буйымлар – 1000 дана.
11. Алтын ҳәм гүмис буйымлардың барлығы 5400 дана еди. Сүргин етилгенлер Бабилоннан Ерусалимге қайтарылғанда, Шешбассар бул ыдысларды өзи менен бирге алып қайтты.

1. Бабилон патшасы Набуходоносордың Бабилонға тутқын етип алып кеткен адамлары сүргин етилип, тутқында болған ўәлаятынан Ерусалимге ҳәм Яҳудадағы өз қалаларына қайтып келди.
2. Олар Зеруббабел, Ешуа, Нехемия, Серая, Реелая, Мордохай, Билшан, Миспар, Бигўай, Рехум ҳәм Баананың басшылығында қайтып келди. Сүргиннен қайтқан Израил ерлериниң дизими төмендегише:
3. Парош урпақларынан – 2172 адам;
4. Шефатия урпақларынан – 372 адам;
5. Арах урпақларынан – 775 адам;
6. Пахат-Моаб, яғный Ешуа ҳәм Иоаб урпақларынан – 2812 адам;
7. Элам урпақларынан – 1254 адам;
8. Затту урпақларынан – 945 адам;
9. Заккай урпақларынан – 760 адам;
10. Баний урпақларынан – 642 адам;
11. Бебай урпақларынан – 623 адам;
12. Азгад урпақларынан – 1222 адам;
13. Адониқам урпақларынан – 666 адам;
14. Бигўай урпақларынан – 2056 адам;
15. Адин урпақларынан – 454 адам;
16. Атер, яғный Хизкия урпақларынан – 98 адам;
17. Бетсай урпақларынан – 323 адам;
18. Иора урпақларынан – 112 адам;
19. Хашум урпақларынан – 223 адам;
20. Гиббар урпақларынан – 95 адам;
21. Бейтлеҳемлилерден – 123 адам;
22. Нетофалылардан – 56 адам;
23. Анатотлылардан – 128 адам;
24. Азмаўетлилерден – 42 адам;
25. Кирят-Яримлилерден, кефиралылардан ҳәм бееротлылардан – 743 адам;
26. Рамалылар менен гебалылардан – 621 адам;
27. Михмаслылардан – 122 адам;
28. Бейт-Эллилерден ҳәм айлылардан – 223 адам;
29. Неболылардан – 52 адам;
30. Магбишлилерден – 156 адам;
31. Басқа эламлылардан – 1254 адам;
32. Харимлилерден – 320 адам;
33. Лодлылардан, хадидлилерден ҳәм онолылардан – 725 адам;
34. Ерихолылардан – 345 адам;
35. Сеналылардан – 3630 адам.
36. Руўханийлер: Ешуа нәсилинен болған Едая урпақларынан – 973 адам;
37. Иммер урпақларынан – 1052 адам;
38. Пашхур урпақларынан – 1247 адам;
39. Харим урпақларынан – 1017 адам.
40. Лебийлилер: Ҳодаўия нәсилинен тараған Ешуа ҳәм Қадмиел урпақларынан – 74 адам.
41. Қосықшылар: Асаф урпақларынан – 128 адам
42. Дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Атер, Талмон, Аққуб, Хатита ҳәм Шобай урпақларынан – 139 адам.
43. Ибадатхана хызметшилери: Сиха урпақларынан, Хасуфа урпақларынан, Таббаот урпақларынан,
44. Керос урпақларынан, Сиаҳа урпақларынан, Падон урпақларынан,
45. Лебана урпақларынан, Хагаба урпақларынан, Аққуб урпақларынан,
46. Хагаб урпақларынан, Шалмай урпақларынан, Ханан урпақларынан,
47. Гиддел урпақларынан, Гахар урпақларынан, Реая урпақларынан,
48. Ресин урпақларынан, Неқода урпақларынан, Газзам урпақларынан,
49. Узза урпақларынан, Пасеах урпақларынан, Бесай урпақларынан,
50. Асна урпақларынан, Меуним урпақларынан, Нефусим урпақларынан,
51. Бақбуқ урпақларынан, Хақуфа урпақларынан, Хархур урпақларынан,
52. Баслут урпақларынан, Мехида урпақларынан, Харша урпақларынан,
53. Барқос урпақларынан, Сисера урпақларынан, Темах урпақларынан,
54. Незиах ҳәм Хатифа урпақларынан еди.
55. Сулайманның хызметшилериниң урпақлары: Сотай урпақларынан, Соферет урпақларынан, Перуда урпақларынан,
56. Яла урпақларынан, Дарқон урпақларынан, Гиддел урпақларынан,
57. Шефатия урпақларынан, Хаттил урпақларынан, Покерет- Ҳассебайым урпақларынан ҳәм Амий урпақларынан еди.
58. Ибадатхана хызметшилери менен Сулайманның хызметшилериниң урпақларынан барлығы болып 392 адам еди.
59. Тел-Мелах, Тел-Харша, Керуб, Аддан ҳәм Иммер қалаларынан көшип келген, бирақ өзлериниң шығысын ҳәм Израилдың қайсы урыўына тийисли екенин дәлиллей алмағанлар мыналар еди:
60. Делая, Тобия ҳәм Неқода урпақларынан – 652 адам.
61. Сондай-ақ, руўханийлер нәсилинен болған Хабайя урпақлары, Ҳаққос урпақлары ҳәм гиладлы Барзиллайдың қызларының бирине үйленип, қәйин атасының аты менен аталған Барзиллай урпақлары.
62. Булар жазба шежиреден өз шығысын изледи, бирақ таба алмағанлықтан қаны таза емес деп, руўханийлик хызметинен шетлетилди.
63. Ҳәким оларға Урим ҳәм Туммимнен пайдалана алатуғын руўханий шықпағанша, тек руўханийлерге берилетуғын ең мухаддес тағамнан жемеўди буйырды.
64. Сүргиннен қайтқан пүткил жәмийет ҳәммеси болып 42 360 адам еди.
65. Булардан тысқары, 7337 қул ҳәм шорылар, 200 еркек ҳәм ҳаял қосықшылар бар еди.
66. Сүргиннен қайтқанлардың 736 аты, 245 ғашыры,
67. 435 түйеси ҳәм 6720 ешеги бар еди.
68. Олар Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына келиўден-ақ, Қудайдың Ибадатханасын өз орнына қайта тиклеў ушын, айырым урпақ басшылары ықтыярлы садақалар усынды.
69. Ҳәр бири шамасы келгенин берди. Бул ис ушын қазнаға 61 000 дарик алтын, 5000 мина гүмис ҳәм 100 руўханийлик кийим берилди.
70. Руўханийлер, лебийлилер, халық ишинен айырым адамлар, қосықшылар, дәрўаза қараўыллары ҳәм Ибадатхана хызметшилери өз қалаларына орналасты. Қалған барлық израиллылар да өз қалаларына орналасып алды.

1. Израиллылар өз қалаларына жайласып болғаннан соң, жетинши айда олардың ҳәммеси бир адамдай Ерусалимге жыйналды.
2. Қудайдың адамы болған Муўсаның Нызам китабындағы жазыўларға муўапық, қурбанлық орын үстинде жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ушын, Иосадақ улы Ешуа ҳәм оның руўханий ағайинлери, Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм оның туўысқанлары Израилдың Қудайына арнап қурбанлық орын қурыўға киристи.
3. Олар әтираптағы халықлардан қорқса да, қурбанлық орынды оның бурынғы тийкары үстине қурып, онда азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берди.
4. Соңынан Нызамда жазылғанға гөре, Қос байрамын нышанлады ҳәм қағыйда бойынша ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда жандырылатуғын қурбанлықлар берди.
5. Буннан соң, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларды, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген барлық мухаддес байрамларда берилетуғын қурбанлықларды, Жаратқан Ийеге арнап ықтыярлы садақаларды усынды.
6. Жетинши айдың биринши күнинен баслап, олар Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар бериўди баслаған еди. Бирақ еле Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкары салынбаған еди.
7. Израиллылар тас қашаўшыларға ҳәм усталарға гүмис теңге, Лебаноннан Яфо жағысына теңиз жолы арқалы кедр ағашларын алып келиўи ушын сидонлылар менен тирлилерге азық-аўқат, ишимлик ҳәм зәйтүн майын берди. Буларға Персия патшасы Кир рухсат берген еди.
8. Ерусалимге, Қудайдың Ибадатханасы болған жерге келгеннен соң, екинши жылдың екинши айында Шеалтиел улы Зеруббабел, Иосадақ улы Ешуа, басқа руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен Ерусалимге қайтқанлардың ҳәммеси исти баслады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жаста болған лебийлилер Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди қадағалаў ушын қойылды.
9. Қудайдың Ибадатханасындағы жумысшыларды Ешуа, оның уллары ҳәм ағайинлери, Қадмиел ҳәм оның уллары, Ҳодаўияның пүткил урпақлары қадағалап турды. Олар бул хызметти атқарыўда Хенадад урпағынан болған лебийлилерден жәрдем алды.
10. Қурылысшылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын салып болғанда, руўханийлер арнаўлы кийимлерин кийип, қолларына кәрнайларын алды. Асаф урпақларынан болған лебийлилер де кимбалларын алып, Израил патшасы Даўыт белгилеген қағыйдаға муўапық, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын өз орынларын ийеледи.
11. Олар гезекпе-гезек: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның Израилға болған садықлығы мәңгилик», – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтты. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарының салынғаны ушын, пүткил халық қатты даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айта баслады.
12. Көпшилик қуўаныштан қышқырған болса да, Жаратқан Ийениң бурынғы Ибадатханасын көрген көплеген жасы үлкен руўханийлер, лебийлилер ҳәм урпақ басшылары бул Ибадатхананың тийкарының салынғанын көргенде өкирип жылады.
13. Халық қатты шуўласып бақырысқанлықтан, қуўаныш сеслеринен жылағанлардың даўысларын ажыратыў мүмкин емес еди. Шаўқым узақтан еситилип турған еди.

1. Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының душпанлары сүргиннен қайтқанлардың Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып атырғанын еситти.
2. Олар Зеруббабелге ҳәм урыўбасыларға келип: – Бизлер де сизлер менен бирге қурылысқа қатнасайық. Себеби бизлер де сизлер сыяқлы Қудайыңызға сыйынамыз. Бизлерди усы жерге алып келген Ассирия патшасы Эсар-Хаддонның дәўиринен бери, Оған арнап қурбанлық берип келемиз, – деди.
3. Бирақ Зеруббабел, Ешуа ҳәм Израилдың басқа урыўбасылары оларға былай деп жуўап берди: – Қудайымызға арнап Ибадатхана қурыў ушын сизлердиң бизлер менен бирге қурылысқа қатнасыўға ҳақыңыз жоқ. Персия патшасы Кирдиң буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхананы жалғыз өзимиз қурамыз.
4. Сонда сол жердеги халықлар Яҳуда халқын қорқытып, қурылыс исине тосқынлық жасаўға ҳәм истен қолын суўытыўға ҳәрекет етти.
5. Душпанлар кеңесшилерге пара берип, Персия патшасы Кирдиң пүткил ҳүкимдарлығы даўамында олардың жобаларына қарсылық қылып келди. Бул аўҳал Персия патшасы Дарийдиң патшалығына дейин даўам етти.
6. Жыллар өтип, Ахашўерош тахтқа отырып, оның патшалығы басланыўдан, душпанлар Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары үстинен шағым хат жазды.
7. Соңынан Персия патшасы Артаксеркстиң дәўиринде де Бишлам, Митредат, Табеел ҳәм олардың басқа жолдаслары патшаға хат жазды. Хат арамей тилинде жазылған болып, патшаға аўдарып берилди.
8. Патшаның найыбы Рехум менен хаткер Шимшайдың патша Артаксеркске Ерусалимди қаралап жазған хатының мазмуны мынадай еди:
9. «Патшаның найыбы Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың басқа жолдаслары: Триполис, Персия, Эрех ҳәм Бабилон турғынларынан ҳәм Суза қаласының, яғный элам халқының бийлери ҳәм ҳәмелдарларынан,
10. және де, уллы ҳәм қүдиретли Аснаппар тутқын етип әкелип, Самария қалаларына ҳәм Евфраттың арғы тәрепине қонысландырған халықлардан».
11. Олар жиберген хаттың нусқасы мынадай еди: «Патша Артаксеркске Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын хызметшилеринен.
12. Патшаға мынаны мәлим етпекшимиз: сизиң қол астыңыздан шығып, бизге, Ерусалимге келген яҳудийлер қозғалаңшы ҳәм жаўыз қаланы қайта қура баслады. Олар дийўалларды тиклеп, имаратлардың тийкарларын дүзетип атыр.
13. Және мынаны да мәлим етпекшимиз: егер усы қала қурылып, оның дийўаллары қайта тикленип болынса, онда олар салғырт, салық ҳәм бажы пулларын төлемей қояды. Нәтийжеде патша қазнасына зыян келеди.
14. Патша сарайының дузына өзлеримиз де шерик болғанымыз себепли ҳәм патшамыздың зыянға ушыраўына қарап тура алмайтуғын болғанлықтан, хат жиберип, патшаны хабардар қылып қоймақшымыз.
15. Егер ата-бабаларыңыздың жылнама китабынан излетсеңиз, жазбаларда бул қаланың қозғалаңшы, патшалар ҳәм ўәлаятлар ушын қәўипли болғанын көресиз. Бул қала әзелден қозғалаңның ошағы болғанлықтан, ўайран етилген.
16. Усы себепли патшаға мәлим етемиз: егер усы қала қайта тикленип, дийўаллары қайта қурылса, онда дәрьяның арғы жағындағы ийеликлериңизден де айырыласыз».
17. Патша мынадай жуўап жиберди: «Найып Рехумға, хаткер Шимшайға, Самарияда ҳәм дәрьяның арғы тәрепинде жасайтуғын олардың басқа жолдасларына сәлем!
18. Сизлердиң бизлерге жиберген хатыңыз мениң алдымда оқылып, аўдарылды.
19. Мениң буйрығым менен излеў алып барылды ҳәм бул қаланың әзелден патшаларға қарсы бас көтерип келгени, қозғалаң ҳәм бүлгиншиликтиң мәканы болғаны тастыйықланды.
20. Ерусалимде Евфрат дәрьясының арғы тәрепиндеги пүткил жерлерди ийелеп, олардан салғырт, салық ҳәм бажы пулларын өндирген қүдиретли патшалар жасаған екен.
21. Сонлықтан сол адамлардың исти тоқтатыўы ушын буйрық бер. Мен буйрық бермегенше, қаланы қайта қурмасын.
22. Абайлы болыңлар, итибарсызлық етпеңлер. Патшаға зәлел келтиретуғын зыянлы истиң көбейиўине жол қоймаңлар».
23. Патша Артаксеркстиң бул хаты Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың жолдасларының алдында оқылыўдан, олар асығыс Ерусалимге, яҳудийлердиң жанына барды ҳәм әскерий күш пенен жумысты тоқтатыўға мәжбүр қылды.
24. Солай етип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының қурылысы тоқтап қалып, Персия патшасы Дарийдиң патшалығының екинши жылына шекем ҳәрекетсиз турды.

1. Сол арада пайғамбар Хаггай менен пайғамбар Иддо улы Зехария Яҳуда ҳәм Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге олардың үстинен бийлик еткен Израилдың Қудайының аты менен пайғамбаршылық етти.
2. Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм Иосадақ улы Ешуа Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыўды баслады. Қудайдың пайғамбарлары да олар менен бирге болып, оларға жәрдем берди.
3. Сол ўақытта Евфраттың арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары яҳудийлерге келип: «Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?» – деп сорады.
4. Олар бул қурылысты алып барып атырған адамлардың атларын да сорады.
5. Бирақ Қудай яҳудий ақсақалларына нәзерин салған еди. Персия ҳәмелдарлары бул ис туўралы Дарийге бир хат жиберген болып, сол хатқа жуўап келмегенше, яҳудийлерди тоқтатпады.
6. Дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай, олардың жолдаслары, яғный сол үлкениң ҳәмелдарлары патша Дарийге хат жазып, нусқасын жиберди.
7. Олар патша Дарийге жоллаған хатта былай деп жазылған еди: «Патша Дарийге тынышлық тилеймиз!
8. Патшаға мыналарды билдирмекшимиз: бизлер Яҳуда ўәлаятына, уллы Қудайдың Ибадатханасына бардық. Ол үлкен таслардан қурылып, дийўалларына ағашлар қосып қаланып атыр. Бул жумыс жедел пәт алған болып, олардың қолларында табыслы кетип атыр.
9. Бизлер сол жердеги ақсақаллар менен сөйлесип, олардан: „Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?“ – деп сорадық.
10. Буның үстине, сизге мағлыўмат ретинде жазып жибериў ушын олардың басшыларының атларын да сорадық.
11. Олар бизлерге былай деп жуўап берди: „Бизлер аспан ҳәм жердиң Қудайының қулларымыз. Бизлер көп жыллар бурын қурылған Қудайдың Ибадатханасын қайта тиклеп атырмыз. Бул Ибадатхана Израилдың бир уллы патшасы тәрепинен қурып питкерилген еди.
12. Бирақ ата-бабаларымыз аспанның Қудайын ғәзеплендиргени ушын, Қудай оларды Бабилон патшасы калдейли Набуходоносорға тәслим етти. Ол бул Ибадатхананы ўайран етип, халықты Бабилонға сүргин қылды.
13. Деген менен, Бабилон патшасы Кир өз ҳүкимдарлығының биринши жылында усы Қудайдың Ибадатханасы қайта тикленсин деп, пәрман шығарды.
14. Набуходоносор Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасынан алтын ҳәм гүмис ыдысларды алып кетип, Бабилондағы ибадатханаға апарып қойған еди. Патша Кир Бабилондағы ибадатханадан сол ыдысларды алдырып, өзи ҳәким етип тайынлаған Шешбассар деген адамға қайтарып берди.
15. Патша Кир Шешбассарға: „Бул ыдысларды апарып, Ерусалимдеги Ибадатханаға қой. Ал Қудайдың Ибадатханасы өз орнына қайта қурылсын“, – деди.
16. Солай етип, Шешбассар келип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының тийкарын қойды. Соннан бери қурылыс даўам етпекте, еле тамамланбады“.
17. Егер патшаға мақул болса, Бабилон сарайындағы архив тексерилип, патша Кирдиң Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қурыўға рухсат бергени ямаса бермегени анықлансын. Соңынан патша өз қарарын бизлерге жазып жиберсин».

1. Буннан соң, патша Дарийдиң буйрығы бойынша, Бабилондағы ҳүжжетлер сақланатуғын архивте излеў ислери алып барылды.
2. Архив Мидия ўәлаятының пайтахты Ахмета қорған қаласында болып, ол жерден бир орама ҳүжжет табылды. Онда былай деп жазылған еди: «Есте сақлаў ушын:
3. патша Кирдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасы ҳаққында Кир мынадай пәрман шығарды: „Ибадатхана қурбанлық усынылатуғын орында, бурынғы тийкары үстине қайта қурылсын. Оның бийиклиги алпыс шығанақ, ени де алпыс шығанақ болсын.
4. Дийўаллары үш қатар үлкен таслардан ҳәм бир қатар ағаштан қурылсын. Ал кететуғын қәрежетлер болса, патша қазнасынан төленсин.
5. Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының алтын ҳәм гүмис ыдыслары, яғный Набуходоносордың Ерусалимдеги Ибадатханадан Бабилонға алып келген ыдыслары да қайтарып берилсин. Олар Ерусалимдеги Ибадатханаға, өз орнына алып барылып, Қудайдың Ибадатханасына қойылсын“».
6. Сонда патша Дарий мына хатты жоллады: «Солай етип, дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары, яғный дәрьяның арғы тәрепинде жасаўшы ҳәмелдарлар! Ол жерге жақынласпаңлар.
7. Қудайдың Ибадатханасындағы ислерге араласпаңлар. Яҳуда ҳәкими ҳәм яҳудийлердиң ақсақаллары Қудайдың Ибадатханасын бурынғы орнына қайта тиклесин.
8. Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын яҳудий ақсақалларына жәрдем ретинде нелер ислеўиңиз кереклиги туўралы сизлерге мыналарды буйыраман: бул адамлардың жумсайтуғын қәрежетлери толық патша қазнасынан төленетуғын болғанлықтан, жумыс тоқтап қалмаўы ушын, дәрьяның арғы тәрепинен жыйналатуғын салықлардан тез оларға бериңлер.
9. Ерусалимдеги руўханийлер талап еткен ҳәмме нәрсе: аспанның Қудайына арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ушын баспақлар, қошқарлар, тоқлылар, және де, бийдай, дуз, шарап ҳәм зәйтүн майы ҳәр күни иркинишсиз берилсин.
10. Солай етип, олар аспанның Қудайына унайтуғын қурбанлықлар берсин, патша ҳәм оның улларының өмири ушын дуўа етсин.
11. Тағы да мынаны буйыраман: егер ким де ким бул пәрманды өзгертсе, онда сол адамның үйинен бир бөрене алып шығылып, сол адам бөренениң ушына илдирип өлтирилсин, ал үйи қарабақанаға айландырылсын.
12. Өз атын сол жерде орнатқан Қудай бул пәрманды өзгертиўге ямаса Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын жоқ қылыўға урынған ҳәр бир патшаны яки халықты жоқ қылсын. Мен, Дарий усы буйрықты бердим. Буйрығым толық орынлансын».
13. Сонда дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар- Бознай ҳәм олардың жолдаслары патша Дарийдиң буйрығын толық орынлады.
14. Яҳудий ақсақаллары қурылысты даўам етти ҳәм пайғамбарлар Хаггай менен Иддо улы Зехарияның пайғамбаршылық сөзлеринен жигер алып, олардың ислери табыслы болды. Олар Израилдың Қудайының буйрығы ҳәм Персия патшалары Кир, Дарий ҳәм Артаксеркстиң пәрманы бойынша Ибадатхананы қурып питкерди.
15. Ибадатхананың қурылысы патша Дарийдиң ҳүкимдарлығының алтыншы жылында, Адар айының үшинши күни тамамланды.
16. Израиллылар: руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўын қуўаныш пенен байрамлады.
17. Олар Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўына арнап жүз баспақ, еки жүз қошқар ҳәм төрт жүз тоқлы шалды, ал Израил урыўларының саны бойынша он еки текени пүткил Израил халқының гүналары ушын гүна қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди.
18. Соңынан Муўсаның китабында жазылғанындай, руўханийлерди топарлары ҳәм лебийлилерди шақаплары бойынша Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасындағы хызметке қойды.
19. Биринши айдың он төртинши күни сүргиннен қайтқанлар Қутқарылыў байрамын нышанлады.
20. Себеби руўханийлер менен лебийлилер өзлерин пәклеў рәсиминен өткерген болып, олардың ҳәммеси пәк еди. Лебийлилер сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси ушын, руўханий туўысқанлары ушын ҳәм өзлери ушын Қутқарылыў байрамының қурбанлығын шалды.
21. Сүргиннен қайтқан Израил халқы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын, өзлерин әтираптағы халықлардың напәкликлеринен сақлаған адамлардың ҳәммеси қурбанлық гөшинен жеди.
22. Олар жети күн қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. Себеби Жаратқан Ийе оларды қуўанышқа бөледи ҳәм Израилдың Қудайы болған Қудайдың Ибадатханасының қурылысына жәрдем бериў ушын Ассирия патшасының жүрегин жибитти.

1. Бул ўақыялардан кейин, Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығы дәўиринде Эзра деген бир адам жасады. Ол Серая улы еди, Серая Азария улы, Азария Хилкия улы,
2. Хилкия Шаллум улы, Шаллум Садоқ улы, Садоқ Ахитуб улы,
3. Ахитуб Амария улы, Амария Азария улы, Азария Мерайот улы,
4. Мерайот Зерахия улы, Зерахия Уззий улы, Уззий Буккий улы,
5. Буккий Абишуа улы, Абишуа Пинехас улы, Пинехас Элазар улы, ал Элазар бас руўханий Харонның улы еди.
6. Усы Эзра Бабилоннан Ерусалимге келди. Эзра Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген Нызамын жетик билетуғын улама еди. Қудайы Жаратқан Ийениң қолы оның үстинде болғанлығы себепли, патша оған сораған нәрсесиниң ҳәммесин берди.
7. Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылы Израил халқынан айырым адамлар, сондай-ақ руўханийлерден, лебийлилерден, қосықшылардан, дәрўаза қараўылларынан ҳәм Ибадатхана хызметшилеринен айырымлары да оның менен бирге Ерусалимге қайтты.
8. Эзра Ерусалимге келгенде, Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылының бесинши айы еди.
9. Ол биринши айдың биринши күни Бабилоннан жолға шығып, өз Қудайының мийримли қолы астында бесинши айдың биринши күни Ерусалимге жетип келди.
10. Себеби Эзра өз өмирин Жаратқан Ийениң Нызамын үйрениўге, оларды орынлаўға ҳәм Израилда қағыйда ҳәм нызамларды үйретиўге бағышлаған еди.
11. Жаратқан Ийениң буйрықларын ҳәм Оның Израилға берген қағыйдаларын жақсы билетуғын улама ҳәм руўханий Эзраға патша Артаксеркстиң берген хатының мазмуны мынадай еди:
12. «Патшалар патшасы Артаксеркстен аспанның Қудайының Нызамын жетик билетуғын улама, руўханий Эзраға сәлем!
13. Мен мынаны буйыраман: патшалығымда жасайтуғын Израил халқынан болған ҳәр бир адамның, сондай-ақ сениң менен бирге Ерусалимге кетиўди қәлеген руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң кетиўине рухсат беремен.
14. Сен қолыңдағы Қудайдың Нызамына тийкарланып, Яҳуда менен Ерусалимдеги жағдайды үйрениў ушын патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси тәрепинен жиберилип атырсаң.
15. Ерусалимде мәкан басқан Израилдың Қудайына арнап, патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси ықтыярлы түрде берген гүмис ҳәм алтынларды сол жерге жеткересең.
16. Және де, Бабилон ўәлаятынан өзиң жыйнайтуғын барлық гүмис ҳәм алтынды, өзлериниң Қудайының Ерусалимдеги Ибадатханасына арнап халық ҳәм руўханийлер берген ықтыярлы садақаларды да алып кетесең.
17. Бул пулларға сен буғалар, қошқарлар, тоқлылар, олардың ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын сатып ал. Оларды Қудайыңның Ерусалимдеги Ибадатханасының қурбанлық орнында қурбанлыққа бер.
18. Қалған гүмис ҳәм алтынларды туўысқанларың менен бирге Қудайдың еркине сай қәлегениңше ислет.
19. Қудайыңның Ибадатханасындағы хызметке қолланыў ушын берилген ыдысларды Ерусалимниң Қудайына тапсыр.
20. Қудайыңның Ибадатханасы ушын не нәрсе талап етилсе де, жеткизиўиң керек болған ҳәр бир нәрсени патшаның қазнасынан аларсаң.
21. Енди мен, патша Артаксеркс дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң барлық қазнашыларына буйыраман: аспанның Қудайының Нызамы бойынша улама, руўханий Эзраның сизлерден талап қылған нәрсесиниң ҳәммесин сөзсиз бериңлер.
22. Оған 100 талантқа шекем гүмис, 100 корға шекем бийдай, 100 батқа шекем шарап, 100 батқа шекем зәйтүн майы ҳәм қәлегенинше дуз бериңлер.
23. Аспанның Қудайы Өз Ибадатханасы ушын нени буйырса, соны булжытпай орынлаңлар. Оның мениң ҳәм улларымның патшалығына қарсы ғәзебин лаўлатыўдың неге кереги бар?
24. Мынаны да билип қойыңлар: руўханийлердиң, лебийлилердиң, қосықшылардың, дәрўаза қараўылларының, Ибадатхана хызметшилериниң ҳәм Қудайдың сол Ибадатханасындағы басқа хызметшилердиң ҳеш биринен салғырт та, салық та, бажы пулы да алынбасын.
25. Саған келсек, Эзра, Қудайыңның өзиңе берген даналығы менен ҳәкимлер ҳәм қазылар тайынла. Олар дәрьяның арғы тәрепиндеги сениң Қудайыңның нызамларын билетуғын барлық халықты ҳүким етсин. Ал нызамларды билмейтуғынларға тәлим бер.
26. Қудайыңның нызамларына ҳәм патшаның буйрықларына бойсынбағанлар жазаға тартылсын: өлимге ҳүким етилсин, сүргинге жиберилсин, мал-мүлки тартып алынсын яки сөзсиз қамаққа таслансын».
27. «Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасына ҳүрмет көрсетиў ушын патшаның жүрегине усындай қәлеўди салған ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
28. Ол патшада, оның мәсләҳәтшилеринде ҳәм барлық күшли басшыларында маған деген мийрим оятты. Қудайым болған Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болғанлықтан жигерлендим ҳәм өзим менен алып кетиў ушын Израилдың басшыларын топладым».

1. Артаксеркстиң патшалығы дәўиринде мениң менен бирге Бабилоннан келген урпақ басшылары ҳәм олардың шежирелери мынадай:
2. Пинехас урпағынан Гершом, Итамар урпағынан Даниел, Даўыттың нәсилинен болған
3. Шекания урпағынан Хаттуш. Парош урпақларынан Зехария ҳәм оның менен бир нәсилден дизимге алынған 150 еркек,
4. Пахат-Моаб урпағынан Зерахия улы Элиеҳоенай ҳәм оның менен бирге 200 еркек,
5. Затту урпағынан Яхазиел улы Шекания ҳәм оның менен бирге 300 еркек;
6. Адин урпағынан Ионатан улы Эбед ҳәм оның менен бирге 50 еркек;
7. Элам урпағынан Аталия улы Ешая ҳәм оның менен бирге 70 еркек;
8. Шефатия урпағынан Михаил улы Зебадия ҳәм оның менен бирге 80 еркек;
9. Иоаб урпағынан Ехиел улы Обадия ҳәм оның менен бирге 218 еркек;
10. Баний урпағынан Иосифияның улы Шеломит ҳәм оның менен бирге 160 еркек;
11. Бебай урпағынан Бебай улы Зехария ҳәм оның менен бирге 28 еркек;
12. Азгад урпағынан Ҳаққатан улы Юханан ҳәм оның менен бирге 110 еркек;
13. Адониқамның Элифелет, Еиел, Шемая деген ең соңғы уллары ҳәм олар менен бирге 60 еркек;
14. Бигўай урпағынан Утай, Заккур ҳәм олар менен бирге 70 еркек.
15. Мен оларды Аҳаўаға қарай ағып турған өзектиң бойына топладым. Бизлер сол жерде үш күн турдық. Мен халық ҳәм руўханийлер арасынан лебийлилерди изледим, бирақ Лебий урпағынан ҳеш кимди таба алмадым.
16. Сонлықтан басшылардан Элиезерди, Ариелди, Шемаяны, Элнатанды, Ярибти, Элнатанды, Натанды, Зехарияны, Мешулламды ҳәм алымлардан Иояриб пенен Элнатанды шақырттым.
17. Оларды Касифия деген жердиң басшысы Иддо деген адамға жибердим. Олардың Қудайымыздың Ибадатханасында хызмет ететуғын адамларды жибериўи ушын, Иддоға ҳәм Касифия деген жердеги Ибадатхана хызметшилери болған туўысқанларына нелерди айтыўы кереклигин үйреттим.
18. Қудайымыздың мийримли қолы бизлердиң үстимизде болғанлығы себепли, олар Израилдың улы Лебийдиң нәсилинен, Махлийдиң урпағынан Шеребия деген дана бир адамды жиберди. Ол өзи менен бирге уллары ҳәм туўысқанларынан 18 адамды әкелди.
19. Сондай-ақ, Хашабияны, Мерарий урпағынан Ешаяны ҳәм туўысқанлары менен олардың улларынан 20 адамды,
20. лебийлилерге жәрдемлесиў ушын Даўыт ҳәм оның хызметшилери қойған Ибадатхана хызметшилеринен 220 адамды алып келди. Олардың ҳәммеси атпа-ат дизимге алынған.
21. Сонда Қудайымызға бойсыныў, Оннан өзлеримиз, балаларымыз ҳәм пүткил дүнья малымыз ушын, ҳақ жол сораў ушын Аҳаўа өзегиниң бойында ораза жәрия еттим.
22. Бизлер патшаға: «Қудайымыз Өзин излегенлердиң ҳәммесиниң үстине мийримли қолын қояды, ал Өзинен жүз бурғанларға күшли ғәзебин шашады», – деген едик. Сонлықтан жолда бизлерди душпаннан қорғаў ушын әскерлер ҳәм атлылар сораўға уялдым.
23. Солай етип, бизлер ораза тутып, Қудайымызға жолымыз ушын жалбарындық, Ол да дуўамызды қабыл етти.
24. Соңынан басшы руўханийлер арасынан он екисин: Шеребияны, Хашабияны ҳәм олардың туўысқанларынан онын таңлап алдым.
25. Кейин патшаның, оның мәсләҳәтшилериниң, басшыларының ҳәм сол жердеги пүткил израиллылардың Қудайымыздың Ибадатханасы ушын берген барлық садақаларын: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, оларға бердим.
26. Мен оларға берген затлардың өлшеми мынадай еди: 650 талант гүмис, 100 талантлық гүмис ыдыслар, 100 талант алтын.
27. Нарқы 1000 дарик болған 20 алтын тостаған, алтындай қунлы, жылтыр мыстан исленген еки ыдыс.
28. Мен оларға былай дедим: «Сизлер – Жаратқан Ийениң мухаддесисизлер, ыдыслар да мухаддес. Гүмис ҳәм алтын – сизлердиң ата- бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген ықтыярлы садақалар.
29. Руўханийлердиң басшылары, лебийлилер ҳәм израиллылардың урпақ басшылары алдында өлшеп, Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасының қазнасына тапсырғаныңызша сергек болып, оларды сақлаңлар».
30. Солай етип, руўханийлер ҳәм лебийлилер Ерусалимге, Қудайымыздың Ибадатханасына алып келиў ушын, тәрезиге тартылған гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды қабыл етип алды.
31. Бизлер биринши айдың он екинши күни Ерусалимге барыў ушын Аҳаўа өзеги бойынан жолға шықтық. Қудайымыздың қолы бизлердиң үстимизде болып, жолымызда Ол бизлерди душпанлардың ҳүжиминен ҳәм қарақшылардан қорғады.
32. Солай етип, бизлер Ерусалимге жетип келип, ол жерде үш күн дем алдық.
33. Төртинши күни Қудайымыздың Ибадатханасына барып, гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, Урия улы руўханий Меремотқа тапсырдық. Пинехас улы Элазар оның қасында болды. Лебийли Ешуа улы Иозабад ҳәм Биннуй улы Ноадия да олар менен бирге еди.
34. Ҳәр бир нәрсе саналды ҳәм тәрезиге тартылды. Өлшенген затлардың ҳәммеси сол ўақытта жазып қойылды.
35. Тутқыннан келгенлер, яғный сүргиннен қайтып келгенлер Израилдың Қудайына арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Олар пүткил израиллылар ушын он еки буға, тоқсан алты қошқар, жетпис жети тоқлы шалды. Ал гүна қурбанлығы ушын он еки текени қурбанлыққа шалды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге усынылған жандырылатуғын қурбанлықлар еди.
36. Сүргиннен қайтқанлар патшаның буйрықларын патшаның найыпларына ҳәм дәрьяның арғы тәрепиндеги ўәлаятларының ҳәкимлерине берди. Олар да Израил халқын ҳәм Қудайдың Ибадатханасын қоллап-қуўатлайтуғын болды.

1. Бул ўақыялардан кейин, басшылар алдыма келип былай деди: «Израил халқы, ҳәтте, руўханийлер менен лебийлилер де айналамыздағы халықлардың: кенаан, хетт, периз, ебус, аммон, моаб, амор халықларының ҳәм мысырлылардың жеркенишли нәрселеринен еле арылмады.
2. Себеби өзлери де, уллары да усы халықлардың қызларына үйленген. Усылайынша мухаддес туқым әтираптағы халықлар менен араласып кеткен. Басшылар ҳәм хызметкер адамлар бул опасызлыққа бас болды».
3. Мен бул гәплерди еситкенимде, көйлек-шапанымды жыртып, шаш- сақалымды жулып, қатты қапа болып жерге отыра кеттим.
4. Сонда сүргиннен қайтқанлардың опасызлығына байланыслы, Израилдың Қудайының сөзлеринен қорққанлардың ҳәммеси мениң жаныма топланды. Мен болсам, кешки қурбанлық ўақтына шекем қайғыға батып отырдым.
5. Ал кешки қурбанлық ўақтында қайғыға батып, көйлек- шапаным жыртылған ҳалда отырған орнымнан турдым. Дизерлеп отырып қолларымды жайып, Қудайым болған Жаратқан Ийеге
6. былай дедим: «Қудайым! Басымды көтерип Саған қараўға уялып ҳәм қысынып турман. Себеби гүнамыз басымыздан асып, айыбымыз аспанға жеткен.
7. Ата- бабаларымыздың заманынан баслап усы күнге шекем айыпқа көмилип қалғанбыз. Гүнамыз себепли бизлер өзлеримиз, патшаларымыз, руўханийлеримиз басқа еллердиң патшаларының қолына тапсырылдық, өлтирилдик, тутқынға алындық, таландық ҳәм бүгингидей шерменде болдық.
8. Бирақ бүгин Қудайымыз Жаратқан Ийе! Сен бизлерге қысқа ўақытқа мийрим көрсетип, айырымларымызды тири қалдырдың. Қуллықта болғанымызда көзимизге нур бериў ҳәм азғана болса да, еңсемизди көтериў ушын, Өзиңниң мухаддес орныңнан мәкан жай бердиң.
9. Себеби бизлер қуллар едик. Бирақ Қудайымыз, Сен бизлерди қуллыққа таслап қоймадың. Сен Персия патшаларының жүрегинде бизлерге деген мийрим ояттың. Өзиңниң Ибадатханаңды қурыўымыз ҳәм қарабақанаға айланған Ибадатхананы қайта тиклеўимиз ушын жаңа өмир бердиң. Және де, Ерусалимде ҳәм Яҳудада бизлерге қорғаныў дийўалын бердиң.
10. Ал енди, Қудайымыз, буннан кейин не дей аламыз? Өйткени Сениң буйрықларыңнан жүз бурдық.
11. Сен Өз қулларың пайғамбарлар арқалы мынадай буйрық берген едиң: „Сизлер ийелик етиў ушын кирип атырған жер – ҳарам жер. Ол сол жерде жасап атырған халықлардың ҳарамлықлары ҳәм жеркенишли дәстүрлери менен ҳарамланған. Олар елди бастан аяғына өз напәклигине толтырған.
12. Сонлықтан олар менен қыз берисип, қыз алыспаңлар. Ҳеш қашан олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер. Сонда күшли боласыз, бул жердиң өниминен жеп, оларды өз балаларыңызға мәңгиге мийрас етип бересиз“.
13. Басымызға түскенлердиң ҳәммеси өзлеримиздиң жаман ислеримиз ҳәм үлкен айыбымыз себепли болды. Бирақ Сен, Қудайымыз, бизлерди ислеген исимизге қарағанда жеңил жазаладың ҳәм айырымларымызды тири қалдырдың.
14. Енди қалайынша және Сениң буйрықларыңды бузып, усындай жеркенишли ислерди ислеп атырған халықлар менен қуда-тамыр бола аламыз? Егер солай ислесек, онда Сен бизлерге ғәзепленип, бирде биреўимизди тири қалдырмай, қырып тасламайсаң ба?
15. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен әдилсең. Бүгинги күнге келип бизлер аман қалдық. Сениң алдыңда турыўға ҳақымыз болмаса да, мине, бизлер өз айыпларымызды арқалап, Сениң алдыңда турмыз».

1. Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдында жер баўырлап жылаўы менен гүналарды мойынлап, дуўа етип атырғанда, израиллылардың үлкен бир жыйыны: еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар оның жанына жыйналды. Олар да зар еңиреп, жылап турды.
2. Сонда Элам урпағынан Ехиел улы Шекания Эзраға былай деди: «Бизлер басқа миллет қызларына үйленип, Қудайымыздың алдында опасызлық еттик. Деген менен, израиллылар ушын еле үмит бар.
3. Енди Қудайымыз бенен келисим дүзейик. Мырзам, сизиң ҳәм Қудайымыздың буйрықларын қәдирлейтуғынлардың мәсләҳәти бойынша, ҳәмме басқа миллеттен алынған ҳаяллар менен ажырасып, оларды балалары менен бирге босатып жиберейик. Бул келисим Нызамға сай болсын.
4. Қәне, орныңыздан турың! Себеби бул ис сизге жүкленген, ал бизлер сизди қоллап-қуўатлаймыз. Руўхыңызды көтерип, иске кирисиң!»
5. Сонда Эзра орнынан турды. Ол руўханийлердиң басшыларына, лебийлилерге ҳәм пүткил израиллыларға усы айтылғанларды орынлаймыз деп, ант ишиўди буйырды. Олар ант ишти.
6. Кейин Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдынан турып, Эляшиб улы Еҳохананның бөлмесине барды. Сол жерде болғанда, ол сүргиннен қайтқанлардың опасызлығы ушын аза тутыўын даўам етип, нан да жемеди, суў да ишпеди.
7. «Сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Ерусалимге жыйналсын», – деп Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жар салынды.
8. Және де: «Егер ким де ким үш күн ишинде келмесе, басшылардың ҳәм ақсақаллардың қарары бойынша оның барлық мал-мүлки тартып алынып, өзи сүргиннен келгенлер жәмийетинен шығарып жибериледи», – деп хабарланды.
9. Сонда пүткил Яҳуданың ҳәм Бенямин урыўының адамлары үш күн ишинде Ерусалимге жыйналды. Бул тоғызыншы айдың жигирмаланшы күни еди. Пүткил халық Қудайдың Ибадатханасы алдындағы майданда отырды. Олар ҳәм усы истен, ҳәм қуйып жаўған жаўыннан дирилдер еди.
10. Руўханий Эзра орнынан турып, оларға былай деди: – Сизлер опасызлық еттиңлер, басқа миллет қызларына үйленип, Израилдың айыбына айып жамадыңлар.
11. Енди ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе алдында гүналарыңызды мойынлап, Оның еркин орынлаңлар. Әтирапыңыздағы халықлардан ҳәм басқа миллеттен алынған ҳаяллардан айырылыңлар.
12. Сонда пүткил жәмийет жуўап берип, бәлент даўыс пенен былай деди: – Аўа, сиз ҳақсыз. Сиз не айтсаңыз, соны ислеймиз.
13. Деген менен, халық көп, жаўын да қуйып тур, ашық жерде турыўға димарымыз қалмады. Бул бир-еки күнлик ис емес, себеби бизлердиң көпшилигимиз усы исте гүна ислегенбиз.
14. Басшыларымыз пүткил жәмийет атынан ўәкиллик қылсын. Ал қалаларымыздағы басқа миллет қызларына үйленген адамлардың ҳәммеси белгиленген ўақытта өз қалаларының ақсақаллары ҳәм қазылары менен бирге усы жерге келсин. Қудайымыздың усы ис себепли лаўлаған ғәзеби қайтқанға шекем усылай исленсин.
15. Бул усынысқа тек Асаҳел улы Ионатан ҳәм Тиқўа улы Яхзея қарсы болды, ал Мешуллам ҳәм лебийли Шаббетай болса, буларды қоллап- қуўатлады.
16. Сүргиннен қайтқанлар айтылғандай иследи. Руўханий Эзра ҳәр бир урпақтың урпақ басшысын атпа-ат таңлап алды. Оныншы айдың биринши күни олар бул исти изертлеўге отырды.
17. Биринши айдың биринши күни олар басқа миллет қызларына үйленгенлердиң ҳәммесиниң исин қарап болды.
18. Руўханийлер урпағы арасында басқа миллет қызларына үйленгенлер: Иосадақ улы Ешуаның ҳәм оның туўысқанларының урпақларынан: Маасея, Элиезер, Яриб ҳәм Гедалия.
19. Олар ҳаялларынан ажырасыўға сөз берди ҳәм ҳәр бири сүриўден бир қошқарды өз айыбы ушын айып қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди.
20. Иммер урпағынан: Хананий ҳәм Зебадия;
21. Харим урпағынан: Маасея, Илияс, Шемая, Ехиел, Уззия;
22. Пашхур урпағынан: Элйоенай, Маасея, Исмайыл, Нетанел, Иозабад, Эласа;
23. Лебийлилерден: Иозабад, Шимей, Келая, яғный Келита, Петахия, Яҳуда, Элиезер;
24. Қосықшылардан: Эляшиб; Дәрўаза қараўылларынан: Шаллум, Телем, Урий;
25. Басқа израиллылардан: Парош урпақларынан: Рамия, Иззия, Малкия, Миямин, Элазар, Малкия, Беная;
26. Элам урпақларынан: Маттания, Зехария, Ехиел, Абдий, Еремот, Илияс;
27. Затту урпақларынан: Элйоенай, Эляшиб, Маттания, Еремот, Забад, Азиза;
28. Бебай урпақларынан: Еҳоханан, Ханания, Заббай, Атлай;
29. Баний урпақларынан: Мешуллам, Маллух, Адая, Яшуб, Шеал, Рамот;
30. Пахат-Моаб урпақларынан: Адна, Келал, Беная, Маасея, Маттания, Бесалел, Биннуй, Менашше;
31. Харим урпақларынан: Элиезер, Ишшия, Малкия, Шемая, Шимон,
32. Бенямин, Маллух, Шемария;
33. Хашум урпақларынан: Маттенай, Маттата, Забад, Элифелет, Еремай, Менашше, Шимей;
34. Баний урпақларынан: Маадай, Амрам, Уўел,
35. Беная, Бедея, Келуҳу,
36. Ўанея, Меремот, Эляшиб,
37. Маттания, Маттенай, Ясай,
38. Баний, Биннуй, Шимей,
39. Шелемия, Натан, Адая,
40. Махнадбай, Шашай, Шарай,
41. Азарел, Шелемия, Шемария,
42. Шаллум, Амария, Юсуп;
43. Небо урпақларынан: Еиел, Маттития, Забад, Зебина, Яддай, Иоел, Беная.
44. Бул адамлардың ҳәммеси басқа миллет қызларына үйленген болып, олардың айырымларының балалары да бар еди.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)