Мухаддес Китап
Қосықлар Қосығы
1. Сулайманның ең жақсы қосығы.Сүй мени, еринлериң менен сүй! Муҳаббатың шараптан да татлы!
2. Әтир майың қандай хош ийисли! Атың да төгилген әтир киби, Соның ушын қызлар сүйеди сени!
3. Мени өзиң менен алып кет, асығайық, Шаҳзадам мени отаўына апарсын!Сениң менен қуўанып, шадланамыз, Муҳаббатыңды шараптан да зыяда деп тәрийиплеймиз.Минәсипсең сен қызлардың муҳаббатына.
4. Ерусалим қызлары, Мен қара торыдан келген сулыўман. Кедар шатырларындай қараман, Сулайманның перделериндей гөззалман.
5. Қара торы болғаныма қарамаң, Қуяш қарайтты мени. Аға-инилерим маған ашыўланып, Мени жүзимзарға қараўыл қылып қойды. Өзимниң жүзимзарыма қарай алмадым.
6. Сүйиклим, айтшы, сүриўиңди қай жерде бағасаң? Түсте оны қай жерде тынықтырасаң? Неге сениң досларыңның сүриўлери арасынан, Бетине перде жамылған бузықлардай, Сени излеп, сергиздан болыўым керек?
7. Ҳәй, гөззаллар гөззалы! Билмесең, сүриўлердиң изи менен жүр, Шопанлардың шатырларының жанында, Ылақларыңды бақ.
8. Фараонның арбасына жегилген, Байталға мегзетемен сени, сүйиклим!
9. Тағыншақлар бет әлпетиңе, Моншақлар мойныңа қандай жарасқан!
10. Саған гүмис пенен әшекөйленген, Алтын тағыншақ соғып беремиз.
11. Шаҳзадам өз дастурханы әтирапында отырғанда, Нард әтирим хош ийисин таратты.
12. Сүйиклим мен ушын, Көкиреклерим ортасында жатырған, Мирра толы қалташаға мегзейди.
13. Сүйиклим мен ушын, Эн-Гедийдеги жүзим бағындағы, Қына гүлиниң дәстесине мегзейди.
14. Қандай гөззалсаң, сүйиклим! Гөззалсаң, қумыры көзлим.
15. Қандай сымбатлысаң, сүйиклим! Жүдә сүйкимлисең! Жатағымыз жасыл майсазар.
16. Кедрлер үйимиздиң төбеси болса, Сәрўи ағашлары шертегимиз.

1. Мен Шарон наргизимен, Ойпатлықлар лаласыман.
2. Қызлар арасында мениң сүйиклим, Тикенлер арасындағы лалаға мегзер.
3. Жигитлер арасында мениң сүйиклим, Тоғай ағашлары арасындағы алма ағашына мегзер. Саясында отырыў маған рәҳәт бағышлар, Мийўесиниң дәми аўзымнан кетпес.
4. Ол мени зыяпат үйине алып келди, Мени муҳаббаты менен қаплады.
5. Кишмишлер менен мени күшке толтыр, Алмалар менен жанландыр. Себеби ышқы дәртинде жанбақтаман.
6. Оның шеп қолы басым астында, Оң қолы менен мени аймалайды.
7. Ерусалим қызлары! Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
8. Мынаў сүйиклимниң даўысы! Ол таўлардан секирип, Төбешиклерден атлап киятыр.
9. Сүйиклим жейранға ямаса жас суўынға мегзер. Мине, ол дийўалымыз артында турып, Терезелерден үңилип, Әйнектиң көзлеринен сығалар.
10. Сүйиклим маған былай деди: «Тур, сүйиклим, гөззалым, Жүр, бирге кетейик!
11. Қара, қыс та өтти, Жаўын да тынды.
12. Жерде гүллер ашылып, Қосық айтатуғын ўақыт келди. Үлкемизде қумырының, Ҳаўазы еситилип тур.
13. Әнжир ғоза шығарды. Жүзим шақалары гүллеп, Хош ийисин шашып тур. Тур, сүйиклим, гөззалым, Жүр, бирге кетейик!»
14. Жартастың жарығына, Таўлардың шыңларына жасырынған қумырым! Жамалыңды көрсет, даўысыңды еситейин. Даўысың жағымлы, жамалың гөззал.
15. Бизге түлкилерди, Жүзимзарларды ўайран етип атырған, Түлкишеклерди услап бериң. Жүзим бағларымыз гүл ашпақта.
16. Сүйиклим меники, мен де оныкимен. Ол лалалар арасында сайранлап жүрер.
17. Кеш түсип, көлеңке узайғанша, Қайтып кел, сүйиклим, Сәнли таўлардағы жейрандай, Ямаса жас суўындай шапқыла!

1. Түн бойы төсегимде жатып, Қәлбимниң ашығын аңсадым, Аңсадым, бирақ оны таба алмадым.
2. Енди турып, қаланы айланайын, Көше ҳәм майданлар бойлап, Қәлбимниң ашығын излейин. Оны изледим, бирақ таба алмадым.
3. Қаланы айланып жүрген сақшылар, Мени көрип қалды. Олардан мен: «Мениң қәлбимниң ашығын көрмедиңиз бе?» – деп сорадым.
4. Олардың жанынан кетиўим менен, Қәлбимниң ашығын таптым. Оны қолтықлап услап, Анамның үйине, Маған ҳәмиледар болған бөлмеге, Алып келгенимше, жибермедим.
5. Ерусалим қызлары! Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
6. Саўдагерлердиң барлық хош ийисли әтирлеринен исленген, Мирра ҳәм хош ийисли түтеткини аңқытып, Буўдақлаған түтиндей көтерилип, Шөлден шығып киятырған ким екен?
7. Қараңлар, Сулайманның тасымалы тахты! Қасында алпыс батыры, Израилдың мәрт жаўынгерлери бар.
8. Ҳәммеси қылыш асынған, Урыс тәжирийбесине ийе. Түнги қәўипке қарсы, Ҳәр бириниң қылышы белинде.
9. Патша Сулайман Лебанондағы кедр ағашынан, Өзине тасымалы тахт ислеткен.
10. Оның бақанларын гүмистен, Арқасын алтыннан ислетип, Отырғышын шым қызыл таўар менен қаплатқан. Ишин Ерусалим қызлары шын кеўилден безеген.
11. Сион қызлары, сыртқа шығыңлар! Тойы күни, Жүреги шадлыққа толған күни, Анасы басына кийдирген, Тажына қараңлар!

1. Қандай гөззалсаң, сүйиклим, гөззалсаң! Жүзиңдеги перде астындағы көзлериң, Қумырының көзлерине мегзейди. Шашларың Гилад таўларынан түсип киятырған, Қара ешкилер сүриўиндей таўланып турады.
2. Қырқып, шомылдырып шығарылған, Қой сүриўиндей аппақ сениң тислериң. Ҳәр бириниң сыңары бар, Ҳеш бири жалғыз емес.
3. Қырмызы сабақтай еринлериң, Аўзың сондай әжайып. Жапқыш астындағы жүзиңниң алмасы, Анардың ярымындай қып-қызыл.
4. Мойның тик қурылған, Даўыттың минарасына мегзейди, Оған мың қалқан асылған, Ҳәммеси батырлар қалқаны.
5. Лалазарда отлап жүрген қос суўынға, Егиз жейранға уқсайды қос анарың.
6. Кеш түсип, көлеңке узайғанша, Мирра таўына, Хош ийисли шайырлар бар төбеге бараман.
7. Сүйиклим, сен сондай гөззалсаң, Ҳеш жериңде миниң жоқ!
8. Лебаноннан мениң менен бирге кел, келиншегим, Лебаноннан мениң менен бирге кел! Амана төбесинен, Сенир, яғный Хермон төбесинен, Арысланлар инлеринен, Қапланлар мәканлаған таўлардан асып кел.
9. Әзизим, келиншегим, жүрегимди бийлеп алдың, Жанарыңның бир қараўы, Моншағыңның бир данасы менен, Жүрегимди бийлеп алдың.
10. Муҳаббатың қандай татлы, әзизим, келиншегим! Муҳаббатың шараптан, Әтириңниң хош ийиси, Барлық хош ийисли затлардан ләззетли!
11. Ләблериңнен пал тамады, келиншегим, Пал менен сүт бар тилиң астында. Кийимлериңниң жағымлы ийиси, Лебанонның хош ийисиндей.
12. Әзизим, келиншегим, сен бир қапысы жабық бағ, Аўзы жабық қудық, мөр басылған булақсаң.
13. Сен – жақсы мийўе беретуғын, Анар бағысаң. Бул бағда қына ҳәм нард бар.
14. Аўа, бул бағда нард ҳәм шафран, Хош ийисли қамыс ҳәм корица, Ҳәр түрли хош ийисли тереклер, Мирра ҳәм алоэ, Әлўан түрли, ең жақсы хош ийисли өсимликлер өседи.
15. Сен бағ булағысаң, Таза суў қудығы, Лебанон таўларының ағар суўысаң.
16. Оян, ҳәй, арқа самалы! Кел, қубла самалы! Бағымда есип, оның хош ийисин тарат! Сүйиклим өз бағына келип, Оның сайланды мийўелеринен жесин.

1. Мен бағыма кирдим, әзизим, келиншегим. Мирра ҳәм хош ийисли затларымды жыйнайман. Палымды уясы менен жеймен, Шарабымды, сүтимди ишемен.Жеңлер, дослар, ишиңлер! Ишип, ләззет алың, ҳәй, ашықлар!
2. Уйықлап жатсам да, кеўлим сергек. Тыңлап көр! Сүйиклим есик қағып тур: «Есикти аш, әзизим, сүйиклим, Қумырым, минсиз сулыўым! Ҳөл болған басым шықтан, Шашларым түнги ызғардан».
3. Мен шешинип қойдым, Қалай және кийинемен? Аяқларымды жуўып қойдым, Қалай және патас қыламан?
4. Сүйиклим есик тесигинен қолын суққанда, Жүрегим толқынланып кетти.
5. Турдым сүйиклиме қапы ашпаға, Қолларымнан мирра тамды, Бармақларымнан ақты мирра, Есиктиң илдиргишине.
6. Сүйиклиме есик аштым, Бирақ ол кетип қалған екен. Оның кетип қалғанына, жүрегим езилди. Оны изледим, таба алмадым, Шақырдым, жуўап бермеди.
7. Қаланы айланып жүрген сақшылар, Мени услап алып, урып, жарақатлады, Сол дийўал сақшылары, Мениң жаўлығымды шешип таслады.
8. Ерусалим қызлары! Сизлерге жалбарынаман: Егер сүйиклимди ушыратсаңыз, Айтыңлар, ышқыдан қәстемен мен.
9. Сүйиклиңниң басқалардан неси артық, Ҳәй, гөззаллар гөззалы? Бизлерге жалбарынатуғындай, Сүйиклиңниң басқалардан неси артық?
10. Сүйиклим мениң қызыл жүзли, қуўатлы, Он мың адамның арасында айырылып турар.
11. Басы сап алтыннан, Шашлары буйра, Ғарғадай қара.
12. Көзиңниң қарашықлары суў жағасында, Сүтке шомылып, ләззетленип отырған, Қос қумырыға уқсайды.
13. Шекелери әтир таратып турған, Гүл бағына уқсайды. Еринлери мирра тамып турған, Лала гүлге уқсайды.
14. Қоллары сары яқыт тағылған, Алтын ҳасаға уқсайды. Денеси лазурит таслары менен қапланған, Пил сүйегинен исленген буйымға уқсайды.
15. Аяқлары алтын түбекке орнатылған, Мрамор сүтинге уқсайды. Түр-түси Лебанон таўларына уқсайды, Кедр ағашларындай саўлатлы.
16. Тили шийрин, Қәдди-қәўмети келискен. Усы мениң сүйиклим, усы мениң достым, Ҳәй, Ерусалим қызлары!

1. Сүйиклиң қайда кетти, Ҳәй, гөззаллар гөззалы? Ол қай тәрепке кетти? Оны сениң менен бирге излейик.
2. Сүйиклим өз бағына, Жупар ийисли гүл бағына, Бағда сүриўин бағыўға, Лала гүллер териўге кетти.
3. Мен сүйиклимдики, сүйиклим меники. Сүриўин лала гүллер арасында бағады ол.
4. Сүйиклим, сен Тирса қаласындай гөззалсаң, Ерусалимдей сүйкимлисең, Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлысаң.
5. Көзлериңди алып қаш меннен, Олар мени бенде қылмақта. Шашларың Гилад таўларынан түсип киятырған, Қара ешкилер сүриўине уқсайды.
6. Қырқып, шомылдырып шығарылған, Қой сүриўиндей аппақ сениң тислериң. Ҳәр бириниң сыңары бар, Ҳеш бири жалғыз емес.
7. Жапқыш астындағы жүзиңниң алмасы, Анардың ярымындай қып-қызыл.
8. Патшаның алпыс ҳаялы, сексен тоқалы, Сансыз жас қызлары бар.
9. Бирақ мениң қумырым, минсиз сулыўым – теңсиз. Ол анасының да теңсизи, Оны туўғанның еркеси. Қызлар оны көрип, бахытлы дейди, Ҳаяллар ҳәм тоқаллар оны мақтайды.
10. Таңдай атқан, Айдай сулыў, күндей жарқыраған, Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлы, Ким екен бул?
11. Ойпатлықтағы көклемзарды көриў ушын, Ҳәм де жүзим путалары бүртик жарды ма, Анар ағашлары гүлледи ме деп, Усыларды көриў ушын, мен ғоза тоғайына бардым.
12. Билмедим, қәлбим мени бийлеп алып, Халқымның ақсүйеклериниң арбасына миндирди.

1. Қайт, шуламлы қыз, изге қайт! Сени бир көрейик, изге қайт!Қыз-жигитлер арасында аяқ ойынға түсип атырғандай, Не ушын мени көрежақсыз?
2. Қандай сулыў сандал кийген аяқларың, Ҳәй, ҳасылзаданың қызы! Домалақ бөкселериң зергердиң, Қолынан шыққан гәўҳар мысалы.
3. Киндигиң бәрқулла хош дәмли шарапқа толы, Домалақ кесе мысалы. Белиң лалалар менен оралған, Бийдай үйиндиси мысалы.
4. Қос анарың қос суўын, Егиз жейран мысалы.
5. Мойның пил сүйегинен қурылған минарадай, Көзлериң Бат-Раббим дәрўазасы жанындағы, Хешбон ҳәўизлериндей. Мурның Дамаскке қарап турған, Лебанон минарасындай.
6. Басың Кармел таўындай тик болып, Илпилдеген шашларың шым қызыл, Патша шашларыңа тутқын болды.
7. Қандай сулыўсаң, қаншелли сүйкимлисең, Ышқым кеткен сүйкимли жамалыңа!
8. Турпатың пальма ағашына, Қос анарың оның солқым-солқым жемисине мегзейди.
9. Мен: «Бул пальмаға өрмелейин, Услайын мийўели шақаларын», – дедим. Анарларың жүзим солқымларындай, Демиң алманың ийисиндей жупар,
10. Еринлериң ең жақсы шарапқа уқсар.Бул шарап сүйиклиме, Оның уйықлап атырған еринлерине қарай ақсын.
11. Мен сүйиклимдикимен, Ол да мени қумсайды.
12. Жүр сүйиклим, атызға барайық, Түнди қына гүллери арасында өткерейик.
13. Ерте турып, жүзимзарға барайық, Көрейик, жүзим путалары бүршик жарды ма, Олардың гүллери ашылды ма, Анар ағашлары да гүлледи ме? Сол жерде ышқымды саған бағышлайман.
14. Мәргия шөп хош ийисин аңқытпақта, Есигимиз алдында, Әлўан түрли жақсы мийўелер бар. Жаңасын да, ескисин де, Сен ушын сақладым, сүйиклим!

1. Қәнекей, туўысқанымдай болсаң еди, Анамның емшегин бирге емген! Көшеде көргенимде, сүйер едим, Ҳеш ким мени айыпламас еди.
2. Алдыңа түсип, Турмысқа таярлаған, Анамның үйине алып келер едим. Хош ийисли шараптан, Анарларымның суўынан ишкизер едим саған.
3. Сениң шеп қолың басым астында, Оң қолың менен мени аймалайды.
4. Ерусалим қызлары, сизлерге жалбарынаман: Муҳаббаттың өзи оянбағанша, Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
5. Сүйиклисине сүйенип, Шөлден шығып киятырған ким екен?Алма ағашының астында, Анаң саған ҳәмиледар болған жерде, Ол толғатып, сени туўған жерде, Мен сени оятып алдым.
6. Сал мени жүрегиңе мөрдей қылып, Қолыңа мөрли жүзиктей қылып. Өйткени муҳаббат өлимдей қүдиретли, Қумарлық әзелдей күшли. Ышқының оты отлы жалындай жанар, Лаўлап жанған жалын киби.
7. Суўлар да муҳаббатты өшире алмас, Дәрьялар да оны ағызып кете алмас. Егер адам муҳаббат ушын бары-жоғын берсе де, Ол жек көринши болып, мазақ қылынар еди.
8. Бизлердиң кишкене қарындасымыз бар, Оның еле көкиреги де шықпаған. Оны айттырып келген күни, Қарындасымыз ушын не қыла аламыз?
9. Егер ол дийўал болса, Үстине гүмис минара қурар едик, Егер ол қапы болса, Оны кедр тахталар менен жаўып таслар едик.
10. Мен өзим дийўалман, Қос анарым минара мысалы, Сол себепли оның көзине, Бахытлы көриндим.
11. Сулайманның Баал-Ҳамонда, Жүзим бағы бар екен, Ол бағды сақшыларға тапсырыпты. Ҳәр бири оның жемиси ушын, Мың шекел гүмис төлеўи керек екен.
12. Мың гүмис теңге сеники болсын, ҳәй, Сулайман, Еки жүзи жемисин қорығандики болсын. Ал мениң жүзимзарым өзимдики, өзиме тийисли.
13. Ҳәй, бағларға мәкан басқан! Жолдасларым даўысыңды еситип тур, Даўысыңды тек мен еситетуғын болайын.
14. Асық сүйиклим! Жупар ийиси аңқыған таўлардағы, Жейрандай ямаса жас суўындай шапқыла.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)