Мухаддес Китап
Еремия
1. Булар Бенямин жериндеги Анатот қаласында жасайтуғын руўханийлердиң бири Хилкия улы Еремияның сөзлери.
2. Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның ҳүкимдарлығының он үшинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
3. Еремияға Жаратқан Ийениң сөзиниң түсиўи Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякинниң дәўиринен, Яҳуда патшасы Иошия улы Седекияның патшалығының он биринши жылының бесинши айына дейин, яғный Ерусалим халқының сүргин етип алып кетилиўине дейин даўам етти.
4. Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5. – Мен сени жатырда пайда етпесимнен алдын таныдым, Қурсақтан шықпасыңнан алдын сени таңладым. Сени миллетлер ушын пайғамбар етип тайынладым.
6. Сонда мен: – Ҳаў, Қудай Ийе! Мен қалай сөйлеўди билмеймен, жүдә жаспан, – дедим.
7. Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: – «Мен жаспан», – деме. Сени кимге жиберсем, ҳәммесине барасаң, не буйырсам, соны айтасаң.
8. Олардан қорқпа, сениң менен бирге болып, сени қутқараман, – деди Жаратқан Ийе.
9. Кейин Жаратқан Ийе қолын созып, аўзыма тийгизди де маған былай деди: – Мине, сөзлеримди аўзыңа салдым.
10. Қара, суўырып таслаў, қырыў, жоқ қылыў, жер менен жексен қылыў ушын, сондай-ақ қурыў, беккемлеў ушын, бүгин Мен сени миллетлер ҳәм патшалықлар үстинен қойдым.
11. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Еремия, сен нени көрип турсаң? – деди. – Бадам ағашының шақасын көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
12. – Туўры көрдиң, – деди Жаратқан Ийе маған. – Себеби Мен ҳәр бир сөзимниң орынланыўын бақлап турған едим.
13. Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Нени көрип турсаң? – деди. – Арқа тәрептен жүзи бир тәрепке қыйсайып қайнап турған қазанды көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
14. Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул жердиң барлық турғынларына арқа тәрептен апатшылық келеди.
15. Мен арқадағы патшалықлардың барлық қәўимлерин шақыраман, – деди Жаратқан Ийе. – Олардың патшалары келип, Өз тахтларын Ерусалим дәрўазаларының кирер аўзына, Оны қоршап турған дийўаллардың, Яҳуданың пүткил қалаларының алдына қояды.
16. Халқымның Меннен жүз бурып, Ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Басқа қудайларға түтетки түтетип, Өз қоллары менен ислеген нәрселерине табынғаны ушын, Мен оларға қарсы Өз ҳүкимимди жәриялайман.
17. Сен болсаң, белиңди беккем буў. Барып, Мениң саған буйырғанларымның ҳәммесин оларға айт. Олардан қорқпа, болмаса Мен сени олардың алдында қорқыўға саламан.
18. Бүгин Мен сени пүткил елге – Яҳуда патшаларына, оның хызметкерлерине, руўханийлерине ҳәм сол жердиң халқына қарсы беккем қала, темир сүтин ҳәм қола дийўал қылдым.
19. Олар саған қарсы урысады, бирақ жеңе алмайды. Себеби сени қутқарыў ушын Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе.

1. Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
2. – Барып, мыналарды Ерусалим халқына еситтирип жәрияла: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сениң жаслығыңда қандай опадар болғаның, Келиншек ўақтыңдағы сүйиспеншилигиң, Шөлде, егин еге алмайтуғын жерде, Изиме ергениң ядымда.
3. Израил Жаратқан Ийе ушын мухаддес халық, Оның жемисиниң биринши мийўеси. Оннан жегенлердиң барлығы жазықлы болып, Басларына апат жаўды, – дейди Жаратқан Ийе.
4. Яқыптың халқы, Израил халқының барлық тийрелери, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
5. Жаратқан Ийе былай дейди: Меннен узақласатуғындай, Ата-бабаларыңыз Меннен не жаманлық көрди? Жарамсыз бутларға табынып, Өзлери де түкке турғысыз болды.
6. Олар: „Бизлерди Мысырдан алып шыққан, Шөл далада, қумлы ҳәм шуқырлары бар жерлерде, Суўсыз ҳәм қараңғы жерде, Ҳеш ким өте алмайтуғын ҳәм ҳеш ким жасамайтуғын жерде, Бизге жол көрсеткен Жаратқан Ийе қай жерде?“ – деп сорамады.
7. Мийўесинен ҳәм жақсылығынан татсын деп, Мен сизлерди өнимдар бир жерге алып келген едим. Бирақ ол жерге кирип, ийелигимди ҳарамладыңыз, Мүлкимди жеркенишли орынға айландырдыңыз.
8. Руўханийлер: „Жаратқан Ийе қайда?“ – деп сорамады. Қазылар Мени танымады, Халық басшылары Маған қарсы бас көтерди. Пайғамбарлар Баалдың атынан пайғамбаршылық қылып, Пайдасыз нәрселердиң изинен қуўды.
9. Сонлықтан Мен сизлер менен және даўласаман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң балаларыңыздың балалары менен де даўласаман.
10. Киттим жағалаўларына барып көриң, Кедарға адам жоллап, дыққат пенен көзден өткериң. Төмендегидей ўақыя қашан болса да, жүз берген бе екен?
11. Ҳәтте, олардың қудайлары Қудай болмаса да, Өз қудайларынан ўаз кешкен миллет бар ма? Бирақ Мениң халқым өзиниң даңқлы Қудайын, Пайдасыз нәрсеге алмастырды.
12. Ҳәй, көклер, буған таңланып, Қорқыўдан титирең, – дейди Жаратқан Ийе. –
13. Мениң халқым еки жаманлық иследи: Мени, тири суў булағын тәрк етти, Өзлерине суў турмайтуғын, бузық суў сақлағышларды қазып алды.
14. Израил қул ма? Ямаса қул болып туўылған ба? Онда неге ол олжа болды?
15. Күшли арысланлар оған ақырып, даўысын көтерди. Жерин шөлистанға айландырды. Қаласы қарабақанаға айланып, адамсыз қалды.
16. Ноф ҳәм Тахпанхес халқы да, Еңбегиңизди ойып таслады.
17. Өзиңе жол көрсеткен Қудайың, Жаратқан Ийени тәрк еткениң ушын, Бул басыңа түспеди ме?
18. Енди неге Мысырға баратырсаң, Шихордың суўынан ишиў ушын ба? Ассирияға не ушын баратырсаң, Евфрат суўынан ишиў ушын ба?
19. Сизлерди өз жаманлығыңыз жазалап, Опасызлығыңыз гиналайды. Қудайыңыз Жаратқан Ийени тәрк етиўдиң, Меннен қорқпаўдың сизлер ушын қандай жаман ҳәм ашшы екенин, Көрип, билиң, – дейди Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийе.
20. Сен узақ ўақыт алдын мойынтырығыңды бузып, Кисенлериңди үзип: „Саған хызмет етпеймен“, – дедиң. Сен ҳәр бир бийик төбешикте, Ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында дизе бүгип бузықшылық қылдың.
21. Мен сени ҳасыл туқымнан, Сайланды жүзим ағашынан еккен едим. Бирақ сен неге айнып қалып, Жабайы жүзим ағашына айландың?
22. Енди көп силти суўы менен жуўып, Сабын менен тазаласаң да, Сениң айыпдарлығыңның тамғасы алдымда турады, – дейди Қудай Ийе. –
23. Сен қалайынша: „Мен ҳарам емеспен, Баалларға да ермедим“, – деп айтасаң? Ойпатлықта қылған қылығыңа қарап, Не ислегениңди ойлап көр. Сен өзин ол жақтан бул жаққа урған, Урғашы түйеге уқсайсаң.
24. Сен шөлге үйренген, Қуштарлығың қозғанда, самалға пысқырған қулансаң. Күйге келгенде, оны ким тоқтата алады? Шағылысқысы келгенлер изинен қуўып шаршамайды, Күйге келген айында, оны таўып алады.
25. Аяғыңды жалаңаяқ жуўырыўдан, Тамағыңды шөллеўден сақла. Бирақ сен: „Үмит етпе, мен жат қудайларды сүйемен, Оның изине еремен“, – дедиң.
26. Уры қолға түскенде, шерменде болғанындай, Израил халқы, оның патшалары, басшылары, Руўханийлери, пайғамбарлары масқара болады.
27. Олар терекке: „Мениң әкемсең“, Тасқа: „Сен мени туўдың“, – дейди. Олар Маған жүзин емес, ал арқасын қаратты. Бирақ басларына апат түскенде: „Келип, бизлерди қутқар“, – дейди.
28. Сениң өзиң ушын ислеп алған қудайларың қайда? Апатқа ушырағаныңда, Сени қутқара алатуғын болса, келсин. Яҳуда, қалаларыңның саны қанша болса, Қудайларыңның саны да сонша.
29. Неге Маған даўа қыласыз? Ҳәммеңиз Маған қарсы бас көтердиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. –
30. Халқыңды қатал жазаладым, Бирақ олар тәрбиямды алмады. Қылышыңыз жыртқыш арыслан киби, Пайғамбарларыңызды қырып таслады.
31. Сизлер, бул дәўир урпақлары, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ түриң: Мен Израил ушын бир шөл, Қара түнек бир жер ме едим? Сонда не ушын халқым: „Бизлер еркинбиз, Енди жаныңа қайтып бармаймыз“, – дейди.
32. Қыз бала тағыншақларын, Келиншек келин кийимин естен шығара ма? Ал Мениң халқым Мени умытты, Сан-санақсыз күнлер өтти.
33. Ойнас табыўға қаншелли устасаң, Ҳәтте, бузық ҳаялға да жолларыңнан үйренетуғын нәрсе бар.
34. Етегиң де бийгүна пақырдың қанына былғанған, Оны сен урлық үстинде усламаған болсаң да, Буларға қарамастан:
35. „Мен айыпсызбан, Жаратқан Ийениң маған деген қәҳәри анық сөнди“, – дейсең. Бирақ: „Мен гүнасызбан“, – дегениң ушын, Үстиңнен ҳүким шығараман.
36. Неге тез-тез жолыңды өзгерте бересең? Ассирияда уятқа қалғаның сыяқлы, Мысырда да уятқа қаласаң.
37. Ол жерден де қолың менен бетиңди жаўып шығасаң. Себеби Жаратқан Ийе сен үмит еткенлерден жүз бурды, Енди олар арқалы табысқа ерисе алмайсаң».

1. «Егер биреў ҳаялы менен ажырасса, Ҳаял кетип, басқа биреўге турмысқа шықса, Биринши күйеўи оны қайта ҳаяллыққа алар ма еди? Бул арқалы жер пүткиллей ҳарамланбай ма? Сен көплер менен ойнаслық қылдың, Енди Маған қайтып келмекшимисең? – дейди Жаратқан Ийе. –
2. Көз жиберип, тақыр төбелерге нәзер сал, Сен бузықшылық қылмаған орын қалып па? Шөлдеги қарақшы сыяқлы, Жол шетинде отырып, ойнасларыңды аңлыдың. Бузықшылығың ҳәм жаўыз ислериң менен, Жерди ҳарамладың.
3. Сонлықтан жаўын жаўмады, Бәҳәрдеги нөсер де қуймады. Сен намыссыз жезөкшеге уқсадың, Уяттың не екенин билмедиң.
4. Енди болса: „Әке, жаслығымнан Сен мениң достым едиң,
5. Қәҳәриң мәңгиге даўам ете бере ме?“ – дейсең. Усылай айта тура, Қолыңнан келген жаманлықларды ислей бересең.»
6. Иошия патшаның дәўиринде Жаратқан Ийе маған былай деди: – Сен опасыз Израилдың ислеген ислерин көрдиң бе? Ол ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында бузықшылық қылды.
7. Буларды ислеп болғаннан кейин, ол маған бет бурар деп ойлаған едим. Бирақ ол қайтпады, буны бийопа сиңлиси Яҳуда да көрди.
8. Ислеген барлық бузықшылығы ушын, Мен опасыз Израилға талақ хат берип, қуўып жибергенимде де, оның бийопа сиңлиси Яҳуда буннан қорқпастан, бузықшылық ислегенин көрдим.
9. Бузықшылық Израил ушын ҳеш нәрсе еместей болып көринди, ол тас ҳәм ағашлар менен бузғынлық ислеп, жерди ҳарамлады.
10. Булардың ҳәммесине қарамастан, Израилдың бийопа сиңлиси Яҳуда шын жүректен емес, ал жалғаннан Маған қайтып келди, – дейди Жаратқан Ийе.
11. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Опасыз Израил бийопа Яҳудадан әдилирек болып шықты.
12. Барып, бул сөзлерди арқаға жәрияла: «Опасыз Израил, Маған қайт! – дейди Жаратқан Ийе. – Мен мийримлимен, енди саған ғәзебимди шашпайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мәңгиге қәҳәрленип жүрмеймен.
13. Тек айыбыңды мойынла: Сен Қудайың Жаратқан Ийеге қарсы бас көтердиң, ҳәр бир қойыў саялы теректиң астында басқа қудайларға кеўил бердиң. Мениң даўысыма қулақ аспадың, – дейди Жаратқан Ийе.
14. Ҳәй бийопа халық, Маған қайт! – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби Мен сениң хожайыныңман. Мен сизлерди қаладан биреўден, урыўдан екеўден алып шығарып, Сионға алып бараман.
15. Сизлерге Өз кеўлимдегидей шопанларды беремен. Олар сизлерди билим ҳәм түсиник пенен бағады.
16. Сизлер бул жерде өсип-өнип, сан-санақсыз болғаныңызда, – дейди Жаратқан Ийе, – халық артық Жаратқан Ийениң Келисим сандығы туўралы айтпайды. Ол туўралы енди ойламайды, еске де алмайды, оны күсемейди, және қайтадан оны соқпайды.
17. Сол ўақытта Ерусалим Жаратқан Ийениң тахты деп аталады ҳәм Жаратқан Ийениң аты ҳүрмети пүткил миллетлер Ерусалимге жыйналады. Буннан былай, олар жаўыз жүреклериниң қыңырлығын қылмайды.
18. Сол күнлерде Яҳуда халқы менен Израил халқы биригип, арқадағы жерлерден шығып, Мен ата-бабаларына мүлик етип берген жерге келеди+.
19. Мен сизлерди де балаларым қылып алып, Әжайып бир жерди, Барлық миллетлердиң гөззал мийрасларын бермекши едим. Сизлер Мени „Әкем“ дейсиз, Меннен ҳеш жүз бурмайсыз, деп ойлаған едим.
20. Бирақ ҳаялдың күйеўине опасызлық қылғаны сыяқлы, Израил халқы, сизлер де Маған опасызлық қылдыңыз! – дейди Жаратқан Ийе.
21. Жалаңаш төбелерден бир даўыс еситиледи, Бул Израил халқының аҳыў-наласы менен пәрияды. Өйткени олар жолдан шықты, Қудайы Жаратқан Ийени умытты.
22. Ҳәй, бийопа перзентлер, кери қайтыңлар, Мен сизлерди опасызлықтан емлеймен. Халық былай дейди: „Мине, Саған қайтып киятырмыз, Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе Сенсең.
23. Ырасында да, төбелерде табынып, Таўларда салған шаўқым-сүренлер жалған. Ҳақыйқатында, Қудайымыз, Жаратқан Ийе Израилды қутқарады.
24. Жаслығымыздан ата-бабаларымыздың мүлки болған, Майда ҳәм ири малларын, Ул ҳәм қызларын жеркенишли бут жалмап жутты.
25. Келиңлер, шерменделигимизди бүркенип, Масқарашылықты жамылып алайық. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп келдик, Ата-бабаларымыз да, бизлер де, Жаслығымыздан усы күнге дейин, Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысына қулақ салмадық.“»

1. «Ҳәй, Израил! Егер қайтпақшы болсаң, – дейди Жаратқан Ийе, – Егер Маған қайтпақшы болсаң, Жеркенишли бутларыңды Мениң көзимнен жоғалтсаң, Жолдан азғырылмай жүрсең,
2. Ҳақыйқат, әдалат ҳәм туўрылық пенен: „Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – десең, Онда миллетлер Мен арқалы жарылқанып, Мениң менен мақтанады.
3. Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына былай дейди: Сүрилмеген жериңизди сүриң, Тикенлер арасына туқым сеппең.
4. Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынлары, Жүрегиңиздеги жаманлықларды алып таслап, Маған, Жаратқан Ийеге өзиңизди бағышлаң. Болмаса, жаўыз ислериңиз себепли, Ғәзебимди от киби лаўлатаман, Оны ҳеш ким сөндире алмас».
5. «Яҳудада жәриялап, Ерусалимде жар салып, былай деңлер: „Ел бойлап кәрнай шалың!“ Бақырып былай деп айтың: „Жыйналып, қорғанлы қалаларға қашайық!“
6. Сионға қашың деп, байрақ көтериң! Сызылмай, тезирек қашып қутылың! Өйткени Мен арқа тәрептен апат, Уллы қырғын алып келемен.
7. Арыслан ининен шықты, Миллетлерди жоқ қылыў ушын жолға шықты. Жериңди ўайран етиў ушын, Ол өз орнын тәрк етти. Яҳуда, сениң қалаларың қарабақанаға айланады, Адамсыз ҳүўлеп қалады.
8. Соның ушын аза кийимин кийип, зарлап жылаң, Себеби Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби бизди шетлеп өтпеди.
9. Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – Патшаның ҳәм ҳәмелдарлардың жүреклери суўлайды, Руўханийлерди қорқыныш бийлеп алып, Пайғамбарлар аң-таң болады».
10. Сонда мен былай дедим: – Ўаҳ, Қудай Ийе! «Сизлерге тынышлық болады», – деп, бул халықты ҳәм Ерусалимди пүткиллей алдадың. Қылыш алқымына тақалып тур-ғо!
11. «Сол ўақытта бул халыққа ҳәм Ерусалимге былай деп айтылады: „Шөлдеги жалаңаш төбелерден ескен ыссы самал Мениң халқым тәрепке еспекте. Бирақ ол қырман суўырыў яки дәнди тазалаў ушын емес.
12. Меннен келетуғын самал жүдә күшли болады. Олардың үстинен ҳүким шығаратуғын ўақыт келди. Буны Мен айтаман“.
13. Әне, душпан булт киби жақынлап киятыр, Саўаш арбалары қуйынға мегзер. Атлары бүркиттен де шаққан. Сорымыз қурысын, сорлап қалдық!
14. Ҳәй, Ерусалим! Жүрегиңди жаманлықтан тазала, қутқарыласаң. Жаўыз нийетлериңди қашанға дейин ишиңде сақламақшысаң?
15. Даннан бир даўыс еситиледи, Эфрайым таўынан апатшылық хабары келмекте.
16. Миллетлерге жәриялап, Ерусалимге хабарлаң: Алыслардан басқыншылар киятыр, Яҳуда қалаларына қарсы саўаш сүренин айтып бақырмақта.
17. Олар атыздағы сақшыларға уқсап, Ерусалимди қоршап алады. Себеби Ерусалим Маған қарсы бас көтерди, – дейди Жаратқан Ийе. –
18. Булардың ҳәммесин басыңа салған, Сениң жолларың ҳәм ислериң болады. Бул жаўызлығыңның кесапаты. Қандай ашшы! Бул сениң жүрегиңниң төрине жетти!»
19. Ўай, жаным! Ўай, жаным! Азарына шыдай алмайман! Ўаҳ, жүрегим! Жүрегим ҳәсирет шегип атыр! Үндемей тура алмайман, Себеби кәрнай сестин, саўаш шаўқымын еситтим.
20. Апатшылық изинен апатшылық келди, Пүткил журт ўас-ўайран болды. Көзди ашып-жумғанша, шатырларым, Бир демде перделерим жыртылып кетти.
21. Қашанға дейин, мен саўаш байрақларын көрип, Кәрнай сеслерин есите беремен?
22. «Мениң халқым ақмақ, Олар Мени танымайды. Олар надан балалар, оларда түсиник жоқ. Олар жаманлық қылыўға шебер, Жақсылық қылыўды билмейди».
23. Мен, Еремия жерге қарадым, Ол бос ҳәм түссиз еди. Аспанға қарадым, онда нур жоқ еди.
24. Таўларға қарадым, олар қалтырасар, Пүткил төбелер тербелип турар еди.
25. Қарадым, ўаҳ, ҳеш ким жоқ, Көктеги барлық қуслар ушып кеткен еди.
26. Қарадым, Жаратқан Ийениң алдында, Өнимдар топырақ шөлге айланып, Пүткил қалалар ўайран болған еди. Буған Оның лаўлаған ғәзеби себепши еди.
27. Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен бул жерди пүткиллей жоқ қылмасам да, Оның ҳәммеси қаңырап, босап қалады.
28. Сонлықтан жер аза тутып, аспан түнереди. Мен айттым, Мен қарар қылдым, Өкинбеймен, пикиримнен қайтпайман.
29. Барлық қала халқы, Атлылардың ҳәм садақшылардың шаўқымынан қашады. Кимиси қалың путаларға тығылады, Кимиси жартасларға өрмелейди. Ҳәмме қалалар қаңырап қалады, Оларда жасайтуғын ҳеш ким болмайды.
30. Ҳәй, ўайран болған сен! Неге қырмызы кийим кийип алдың? Не ушын алтын тағыншақлар тағып, Көзлериңди бақырайтып бояп алдың? Бийкарға безенип алыпсаң. Ойнасларың сени жек көреди, Олар сениң жаныңды алмақшы.
31. Мен толғатып атырған ҳаялдың бақырған даўысына, Биринши баласын туўып атырған ҳаялдың, Ыңқылдысына уқсаған даўысты еситип турман. Мен қыз Сионның ентиккен даўысын еситип турман. Ол қолларын созып былай демекте: „Сорым қурысын! Жанымды алмақшы болғанлар алдында димарым қурыды“».

1. – Ерусалим көшелерин айланың, Әтирапына қарап, аңлаң, Қала майданларынан излең. Егер әдалатлы ҳәм ҳақыйқатты излеген бир адам тапсаңыз, Онда Мен бул қаланың гүнасынан өтемен.
2. Олар: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз», – десе де, Негизинде, ишкен анты жалған.
3. – Жаратқан Ийе, Сениң нәзериң ҳақыйқатқа тигилген емес пе? Оларды урдың, бирақ олар азарын сезбеди, Оларды жоқ қылмақшы болдың, бирақ сабақ алыўдан бас тартты. Олар бетлерин жартастан да қатты қылып, Изге қайтыўды қәлемеди.
4. Мен ишимнен: «Бул адамлар ғәрип ҳәм ақылсыз, Олар Жаратқан Ийениң жолын, Өз Қудайының Нызамын билмейди.
5. Енди мен абырайлы адамларға барып, Олар менен сөйлесемен. Олар Жаратқан Ийениң жолын, Өз Қудайының Нызамын биледи», – деп ойладым. Бирақ олардың ҳәммеси де Қудайының мойынтырығын сындырып, Кисенлерин үзип таслаған екен.
6. Сонлықтан тоғайдан шыққан арыслан оларды тилкимлеп, Шөлдеги қасқыр оларды ғажып таслайды. Қаплан қалалары жанында буққыда жатып, Қаладан шыққан ҳәр бир адамды тилким-тилким қылады. Себеби олардың қылмысы үлкен, Опасызлығы сансыз.
7. – Сени қалай кеширемен? Балаларың Мени таслап кетип, Қудай болмаған бутларға ант ишти. Мен оларды тойдырдым. Олар болса, қыянет етип, Топланысып, бузықлардың үйлерине кетти.
8. Олар күйге келген айғырлар киби, Ҳәр бири қоңсысының ҳаялына киснейди.
9. Булар ушын Мен оларды сөзсиз жазаламайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Усындай бир миллеттен өш алмайын ба?
10. Жүзимзарларына кирип, оларды ўайран қылың, Бирақ пүткиллей жоқ қылмаң. Жүзим шақаларының керексизлерин жулып таслаң, Енди олар Маған, Жаратқан Ийеге тийисли емес.
11. Израил ҳәм Яҳуда халықлары, Маған пүткиллей қыянет етти, – дейди Жаратқан Ийе.
12. Халық Жаратқан Ийе ҳаққында жалған сөйлеп, былай дейди: «Ол ҳеш нәрсе қылмайды, Басымызға апатшылық түспейди, Бизлер қылыш та, ашлық та көрмеймиз.
13. Пайғамбарлар самалға мегзер, Оларда Жаратқан Ийениң сөзи жоқ. Айтқанлары олардың өзлериниң басына түссин».
14. Сонлықтан Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: – Халық бул сөзлерди айтқаны ушын, Өз сөзлеримди сениң аўзыңда жалындай қыламан. Бул халықты отын қыламан, От оларды жандырып жоқ қылады.
15. Ҳәй, Израил халқы, – дейди Жаратқан Ийе, – Сизлердиң үстиңизге, Узақ жерден бир миллетти алып келемен. Ол күшли ҳәм әййемги халық болып, Сол адамлардың тилин сен билмейсең, Сөзине де түсинбейсең.
16. Олардың оқ жайлары ашық қәбирге мегзер, Адамларының ҳәммеси батыр жаўынгерлер.
17. Олар сениң зүрәәтиңди ҳәм наныңды жеп таслап, Ул-қызларыңызды жалмап жутады. Майда ҳәм ири малларыңызды, Жүзим ҳәм әнжирлериңизди жейди. Сизлер исенген қорғанлы қалаларыңызды, Қылыш пенен ўайран қылады.
18. Ҳәтте, сол күнлери де, – дейди Жаратқан Ийе, – сизлерди пүткиллей жоқ қылмайман.
19. Халық сеннен: «Неге Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге бул нәрселерди иследи?» – деп сораса, оларға былай деп жуўап бер: «Сизлер Оны тәрк етип, өз жериңизде басқа қудайларға хызмет еттиңиз. Енди сизлер өзлериңизге тийисли болмаған жерде басқаларға солай хызмет етесиз».
20. – Яқыптың халқына жар салып, Яҳудада жәриялаң:
21. Ҳәй, көзи болса да, көрмеген, Қулағы болса да, еситпеген, Надан ҳәм бийпарасат халық, Қулақ салың!
22. Меннен қорқпайсыз ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Мениң алдымда қалтырамайсыз ба? Мен қумды теңизге шегара, Мәңги өтип болмайтуғын бөгет қылдым. Толқынлар тасса да, үстине шыға алмайды, Шуўласа да, оннан асып кете алмайды.
23. Бирақ бул халық өжет ҳәм қозғалаңшы. Олар азғырылып, өз жолына қайтып кетти.
24. Олар жүрегине түйип: «Гүзги ҳәм бәҳәрги жаўынды өз ўақтында жаўдыратуғын, Жыйын-терим ушын белгиленген ҳәптени сақлап келген, Қудайымыз Жаратқан Ийеден қорқайық», – демейди.
25. Айыпларыңыз сизлерди усы жақсы нәрселерден узақластырды, Гүналарыңыз берекеттен маҳрум етти.
26. Халқымның арасында жаўыз адамлар бар, Олар қус аўлағандай буққыда жатып, Дузақ қурып, адамларды тутады.
27. Тордың қусқа толғанындай, Олардың үйлери де жалғанға толы. Сонлықтан олар күшейип, байыды,
28. Семирип, жылтырады. Олардың жаўыз ислериниң шегарасы жоқ. Жетимниң даўа-арзын әдалатлы қарамайды, Исти оның пайдасына шешпейди, Жарлының ҳуқықын да қорғамайды.
29. Булар ушын Мен оны жазаламайын ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Бундай миллеттен өш алмайын ба?
30. Сол жерде қорқынышлы ҳәм таң қаларлық нәрсе болмақта:
31. Пайғамбарлар жалған пайғамбаршылық қылмақта, Руўханийлер өзлериниң қәлеўи бойынша басқармақта. Мениң халқыма бул унамақта. Бирақ булардың ақыры келгенде не қыласыз?

1. – Ҳәй, Бенямин халқы, жаныңызды қутқарыў ушын, Ерусалимнен қашып кетиң! Теқоада кәрнай шалың! Бейт-Ҳаккеремде от жағып, белги бериң! Арқадан апатшылық, уллы қырғын көринбекте.
2. Сулыў ҳәм нәзик қызды, Қыз Сионды жоқ қыламан.
3. Шопанлар сүриўи менен оған келип, Дөгерегине шатырларын тигеди. Ҳәр ким үлесине тийген жерде сүриўин жаяды.
4. «Ерусалимге қарсы урысқа таярланың! Турыңлар, күндиз ҳүжимге шығайық! Ўай-буў, күн батыўға мейил берипти, Кеш түсип, көлеңкелер узайыпты.
5. Турыңлар, түнде ҳүжим жасап, Оның қорғанларын қыйратайық!»
6. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Тереклерин кесиң, Ерусалимге минетуғын топырақ үйиң. Бул қала жазаланады, Онда зорлық-зомбылықтан басқа ҳеш нәрсе жоқ.
7. Булақтан суў шыға бергениндей, Бул қалада да жаўызлық солай шыға береди. Оннан зорлық ҳәм зулымлықтың даўысы еситилип тур, Кеселлик ҳәм жараларды көрип турман.
8. Ерусалим, ескертиўиме қулақ сал, Болмаса, сеннен жүз бураман. Сени қаңыратып, Адам жасамайтуғын жерге айландыраман.
9. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Жүзимниң соңғы солқымына дейин терилгениндей, Душпанлар Израилды аман қалғанларынан журдай қылады. Сонлықтан жүзим териўши сыяқлы, Қолыңды иске салып шақаларды қайта көрип шық.
10. – Мен кимге айтып, кимди қәўиптен сақлайын? Ким маған қулақ асады? Олардың қулақлары жабық, еситпейди. Жаратқан Ийениң сөзи оларға шерменделиктей түйиледи, Оннан рәҳәтленбейди.
11. Сол себепли мен Жаратқан Ийениң ғәзебине толдым, Қәҳәримди баса алмайман. – Бул ғәзепти көшедеги балалардың, Жыйналып турған жигитлердиң үстине төк. Ол еркек ҳәм ҳаялларға жаўады, Қартайғанлар ҳәм күни жақынласқанлар да оннан қутыла алмайды.
12. Олардың үйлери, атызлары ҳәм ҳаяллары, Басқаларға бериледи. Себеби Мен бул жердиң турғынларына қарсы қолымды көтеремен, – дейди Жаратқан Ийе. –
13. Кишкенесинен үлкенине шекем, Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес, Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем, Ҳәммеси ҳийле менен ис тутады.
14. Тынышлық болмаса да: «Тынышлық, тынышлық», – деп, Халқымның қәўипли жарасын жүзеки емлейди.
15. Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма? Яқ, ҳеш те уялмады, Қызарыў не екенин де билмеди. Сонлықтан олар да қулағанлар менен қулайды, Жазалағанымда, жер менен жексен болады, – дейди Жаратқан Ийе.
16. Жаратқан Ийе былай дейди: – Дәрбент жолларда турып, қараң, Әййемги соқпақлар ҳаққында сорап, Жақсы жолдың қай жерде екенин үйрениң. Оннан жүриң, жаныңыз рәҳәт табады. Бирақ сизлер: «Оннан жүрмеймиз», – дедиңиз.
17. Мен сизлердиң үстиңизден гүзетши қойып: «Кәрнайдың даўысына қулақ салың», – дедим. Бирақ сизлер: «Тыңламаймыз», – дедиңиз.
18. Соның ушын, миллетлер, қулақ салың, Қарап турғанлар, олардың басына нелер түсетуғынын билиң.
19. Тыңла, жер жүзи! Бул халықтың басына апатшылық жаўдыраман, Бул олардың жаман нийетлериниң мийўеси болады. Олар Мениң сөзлериме қулақ аспады, Нызамымды қабыл етпеди.
20. Не ушын Маған Шебадан хош ийисли түтетки, Узақ еллерден хош ийисли қамыс алып келинеди? Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды қабыл етпеймен, Сизлердиң қурбанлықларыңыз Маған унамайды.
21. Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Бул халықтың алдына сүрнигетуғын тас қояман, Әкелер балалары менен бирге сүрнигип жығылады, Қоңсылар дослары менен бирге набыт болады.
22. Жаратқан Ийе былай дейди: – Мине, арқадан бир халық киятыр, Дүньяның шетинен бир уллы миллет аяққа турмақта.
23. Олар оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған, Өзлери де залым ҳәм реҳимсиз. Атларға минип шаўған сести, Теңиз сыяқлы шуўылдайды. Қыз Сион! Саған ҳүжим қылыў ушын, Олар бир адамдай сап тартып киятыр.
24. – Олар ҳаққындағы бул хабарды еситип, Қолларымызда дәрман қалмады. Толғақ тутқан ҳаялдай, Шаншыў ҳәм азап бийлеп алды.
25. Атызларға шықпаң, жолларда жүрмең! Душпанның қолында қылыш бар, Әтирапты қорқыныш орап алған.
26. Ҳәй, мениң халқым! Аза кийимин кийип, күлге отыр. Жалғыз перзент ушын аза тутқандай, Ашшы-ашшы көз жас төк. Себеби үстимизге тосаттан набыт қылыўшы келеди.
27. – Мен сени халқым арасына, Темирди сынағандай етип, Халқымды сынаў ушын қойдым. Сен оларды бақлап, жолларына баҳа бересең.
28. Олардың ҳәммеси бағынбайтуғын қозғалаңшы, Өсекши адамлар. Олар қола ҳәм темирдей қатты, Бәри жолдан шыққан.
29. Көрик тоқтаўсыз үпленип, Отта қорғасын ерип атыр. Бирақ зергердиң бул иси бийҳуда кетти, Сонда да жаўызлықтан ажыратылмады.
30. Оларды «сыпатсыз гүмис» деп атайды. Өйткени Мен, Жаратқан Ийе олардан жүз бурдым.

1. Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2. – Жаратқан Ийениң Ибадатханасының дәрўазасында турып, мына сөзди жәрияла: «Ҳәй, пүткил Яҳуда халқы, Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын мына дәрўазалардан киргенлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи мынаў: Жолларыңызды ҳәм ис-ҳәрекетиңизди туўрылаң. Сонда Мен сизлерге бул жерде жасаўға рухсат беремен.
4. „Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасы, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы усы жерде“, – деген жалған сөзлерге исенбең.
5. Егер жолларыңызды, ислериңизди пүткиллей дүзетсеңиз, бир-бириңизге әдалатлы болсаңыз,
6. келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге зулымлық қылмасаңыз, бул жерде наҳақ қан төкпесеңиз, өзлериңизге зыян келтиретуғын басқа қудайларға аўып кетпесеңиз,
7. онда Мен сизлерге бул жерде, әўелден ата-бабаларыңызға берген жерде мәңги-бақый жасаўыңызға рухсат беремен.
8. Деген менен, сизлер пайдасыз жалған сөзлерге исенип жүрсиз.
9. Сизлер урлық қыласыз, адам өлтиресиз, неке ҳадаллығын бузасыз, жалған ант ишесиз, Баалға арнап, хош ийисли түтетки түтетесиз, танымайтуғын басқа қудайларға ересиз.
10. Кейин бул жеркенишли ислерди даўам етиў ушын, Мениң атым менен аталған мына үйге келип, алдымда турып: „Бизлер аман-есенбиз“, – дейсизлер ме?
11. Мениң атым менен аталған бул үй сизлер ушын қарақшылар мәканына айланды ма? Деген менен, Мен не ислеп атырғаныңызды көрип турман, – дейди Жаратқан Ийе.
12. Енди Шилоға, Мен Өз атымды дәслепки рет орнатқан жерге барың ҳәм халқым Израилдың жаўызлығы себепли оған не қылғанымды көриң.
13. Булардың ҳәммесин сизлер де иследиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерге қайта-қайта айттым, қулақ салмадыңыз, шақырдым, жуўап бермедиңиз.
14. Солай екен, Мен Шилоға не қылған болсам, Мениң атым менен аталған, сизлер исенген бул Ибадатханаға, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген бул жерге соны қыламан.
15. Туўысқанларыңызды, пүткил Эфрайым нәсиллерин алдымнан қалай қуўған болсам, сизлерди де солай қуўаман».
16. – Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын пәрияд қылма, жалынба, Маған тәўелле салма. Бәри бир Мен сени тыңламайман.
17. Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде олардың не ислеп атырғанын көрип турғаның жоқ па?
18. Балалар отын жыйнайды, әкелер от жағады, ҳаяллар қамыр ийлеп, Аспан ханшасына арнап мазалы нан писиреди. Мениң ғәзебимди келтириў ушын, бул халық басқа қудайларға ишимлик садақасын қуяды.
19. Олардың ашыўға тиймекши болғаны Мен бе? – дейди Жаратқан Ийе. – Яқ, олар өзлерине зәлел келтирип, уятқа қалмақта.
20. Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: – Мен ашыў-ғәзебимди бул жерге, адамлар менен ҳайўанлардың, атыздағы ағашлар менен жердиң өниминиң үстине төгемен. Ғәзебим от болып жанар, ол сөндирилмес.
21. Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды басқа қурбанлықларыңызға қосып, екеўиниң де гөшин жей бериң.
22. Өйткени Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққанымда, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар туўралы ҳеш нәрсе айтпадым, буйрық та бермедим.
23. Мен оларға тек мына буйрықты берген едим: «Маған қулақ салың. Сонда Мен сизлердиң Қудайыңыз, сизлер де Мениң халқым боласыз. Бәрқулла Мен буйырған жолдан жүриң, сонда абадан турмысқа ерисесиз».
24. Бирақ олар тыңламады, Маған дыққат аўдармады. Керисинше, өз қәлеўи ҳәм жаўыз жүрегиниң өжетлиги жолында жүрди. Алға илгерилеўдиң орнына, артқа кетти.
25. Ата-бабаларыңыз Мысырдан шыққан күннен тап усы күнге шекем, Мен оларға барлық қулларымды – пайғамбарларды ҳәр күни изли-изинен жибердим.
26. Сонда да олар Мени тыңламады, нәзер де аўдармады. Олар мойын таўлап, ата-бабаларынан да бетер жаманлық қылды.
27. Сен оларға усы сөзлердиң ҳәммесин айтасаң, бирақ олар сени тыңламайды. Сен оларды шақырасаң, бирақ олар жуўап бермейди.
28. Сонлықтан сен оларға былай деп айт: «Бул Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспаған, тәлим-тәрбияны қабыл алмаған миллет! Ҳақыйқат өлди, олардың аўзынан ҳақ сөз шықпайтуғын болды.
29. Ерусалим халқы, шашыңызды кесип ылақтырың, Тақыр төбелерге шығып, жоқлаў айтың. Себеби ғәзебине ушыраған бул әўладты, Жаратқан Ийе тәрк етип, таслап кетти.
30. Яҳуда халқы Мениң нәзеримде жаман ислер иследи, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар Мениң атым менен аталған үйге жеркенишли бутларды қойып, оны ҳарамлады.
31. Ул-қызларын отта жағып қурбанлық қылыў ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетте сыйыныў орынларын қурды. Буларды Мен буйырмадым, булар ойыма кирип те шықпады.
32. Енди сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Ол жер Тофет ямаса Бен-Ҳинном ойпатлығы делинбейди, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди.
33. Бул халықтың өли денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги жабайы ҳайўанларға жем болады. Оларды үркитетуғын ҳеш ким қалмайды.
34. Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде қуўаныш ҳәм шадлық сеслерин, келинкүйеўдиң тойының сестин еситилмейтуғын қыламан. Ол жер қарабақанаға айланады».

1. «Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшаларының, басшыларының, руўханийлериниң, пайғамбарларының сүйеклери, Ерусалим турғынларының сүйеклери қәбирлеринен шығарып тасланады.
2. Бул сүйеклер өзлери сүйген, хызмет еткен, изине ерген, мәсләҳәт сораған ҳәм табынған затларының, яғный қуяштың, айдың ҳәм аспан денелериниң астына шашып тасланады. Олар жыйнап алынбайды, жерленбейди, топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады.
3. Бул жаман халықтан аман қалғанларын қай жерге сүргин қылсам да, олар өмирден өлимди абзал көреди, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
4. – Сен оларға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Жығылған адам қайта турмай ма? Жолдан адасқан изге қайтпай ма?
5. Не ушын бул халық жолдан шықты? Не ушын Ерусалим Меннен үзликсиз жүз бурады? Олар жалғанға қатты жабысып алып, Маған қайтыўдан бас тартпақта.
6. Мен дыққат пенен тыңладым, Олар ҳеш туўры сөйлемейди. Ҳеш бири: „Не қылып қойдым“, – деп, Қылмысына пушайман болмайды. Олар саўашқа умтылған ат киби, Ҳәр бири өз жолына жортады.
7. Ҳәтте, аспандағы ләйлек те, Өзиниң қайтыў мәўсимин биледи. Қумыры, қарлығаш ҳәм тырна да, Көшиў ўақтын биледи. Бирақ халқым Мениң көрсетпелеримди билмейди.
8. Қалайынша сизлер: „Бизлер ақыллымыз, Жаратқан Ийениң Нызамы бизлерде“, – деп айта аласыз. Негизинде, хаткерлердиң жалған қәлеми, Бул Нызамды жалғанға айландырған жоқ па?
9. Даналар уятқа қалды, Албырап, дузаққа түсти. Олар Жаратқан Ийениң сөзинен жүз бурды. Сонда олардың даналығы қайда?
10. Кишкенесинен үлкенине шекем, Ҳарам дүнья табыўға ҳәўес. Пайғамбарларынан руўханийлерине шекем, Ҳәммеси ҳийле менен күн көреди. Сонлықтан олардың ҳаялларын басқаларға, Атызларын басқыншыларға беремен.
11. Тап аўыр жара еместей, Халқымның жарасын жүзеки емлейди. Тынышлық болмаса да: „Тынышлық, тынышлық“, – дейди.
12. Ислеген жеркенишли ислери ушын олар уялды ма? Яқ, ҳеш те уялмады, Қызарыў не екенин де билмеди. Сонлықтан, олар да қулағанлар менен қулайды, Жазалағанымда, жер менен жексен болады, – дейди Жаратқан Ийе.
13. Олардың зүрәәтин жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Шақаларда жүзим қалмайды, Әнжир ағашы да мийўе бермейди, Ҳәтте, жапырақлары да қуўрап қалады. Оларға не берген болсам, Ҳәммесинен жуда болады».
14. Адамлар былай дести: – Неге еле бул жерде отырмыз? Жыйналып, қорғанлы қалаға барайық, Сол жерде жан тәслим қылайық. Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегенимиз ушын, Ол бизлерге зәҳәрли суў ишкизип, Өлим жазасын берди.
15. Бизлер тынышлық күттик, Бирақ жақсылық келмеди, Шыпа ўақтын күттик, Бирақ тосаттан қорқынышқа дуўшар болдық.
16. Душпан атларының пысқырығы, Даннан еситилип тур. Айғырларының киснегенинен, Пүткил жер жүзи титиреп атыр. Олар бул жерди ҳәм ишиндеги ҳәмме нәрсени, Қаланы ҳәм онда жасайтуғынлардың ҳәммесин, Жоқ қылыў ушын келди.
17. – Мен араңызға жыланларды, Алдап-арбаўға көнбейтуғын уўлы жыланларды жиберемен. Олар сизлерди шағады, – дейди Жаратқан Ийе.
18. – Дәртиме шыпа жоқ, Жүрегим жаралы.
19. Тыңлаң, халқымның зарлаған даўысы, Жердиң алыс түпкиринен еситилип тур: «Жаратқан Ийе Сионда емес пе? Оның Патшасы да енди ол жерде болмай ма?» – Не ушын олар өзлериниң бутлары, Жарамсыз қудайлары менен Мениң қәҳәримди келтирди?
20. «Бәҳәр де өтти, жаз да тамам болды, Бизлер еле қутқарылмадық», – дейди халық.
21. – Халқымның азабы зардабынан мен де азапландым, Аза туттым, мени қорқыныш бийлеп алды.
22. Гиладта мәлҳәм жоқ па? Ол жерде шыпакер жоқ па? Халқымның жарақаты неге жазылмай қойды?

1. – Қәнекей, басым суў толы қудық, Көзлерим көз жас шығатуғын булақ болса еди! Халқымның қаза тапқанлары ушын, Күни-түни жоқлаў айтып, жылар едим!
2. Қәнекей, шөлде мен ушын бир кәрўан сарай болса еди! Халқымды таслап, олардан узақласар едим! Себеби олардың ҳәммеси бузық, Опасызлар жыйындысы.
3. – Олар жалған ушын тиллерин оқ жай киби ийеди, Наҳақлықтың арқасынан олар жерде күшейип бармақта, Жаўызлық үстине жаўызлық қылмақта, Мени ҳасла танымайды, – дейди Жаратқан Ийе. –
4. Ҳәр бириңиз өз достыңыздан сақланың, Туўысқанларыңыздың бирде биреўине исенбең. Себеби ҳәр бир туўысқан жалғаншы, Ҳәр бир дос өсекши.
5. Ҳәр ким өз достысын алдайды, Ҳеш ким ҳақыйқатты сөйлемейди. Тиллерин жалған сөйлеўге үйреткен, Қылмыс ислеў менен өзлерин ҳарықтырды.
6. Сен, Еремия, өтирикшилер арасында жасап атырсаң, Өтирикшилиги себепли олар Мени таныўдан бас тартады, – дейди Жаратқан Ийе.
7. Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Мен оларды отта еритип, сынақтан өткеремен. Халқымның жаман исине буннан басқа не қылайын?
8. Олардың тиллери өлтиретуғын оқ, Ҳийле менен сөйлейди, Досты менен көзабаға жақсы сөйлеседи, Бирақ ишинен оған дузақ қурады.
9. Булар ушын Мен оларды жазаламайын ба? – дейди Жаратқан Ийе, – Бундай миллеттен өш алмайын ба?
10. – Мен таўлар ушын жылап-сықлап, Даладағы жайлаўлар ушын жоқлаў айтаман. Олар күйип, шөлге айланды, Ҳеш ким ол жерден өтпейди, Маллардың даўысы да еситилмейди. Қуслар да, ҳайўанлар да ол жерден қашып кеткен.
11. – Мен Ерусалимди тас үйиндисине, Сағаллардың мәканына айландыраман. Яҳуда қалаларын шөлге айландырып, Адамсыз бос қалдыраман.
12. Буны түсиниўге кимниң даналығы жетеди? Бул жердиң не ушын қурып, ўайран болып, ҳеш ким жүрмейтуғын шөлге айланғанын бизге түсиндиретуғындай, Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан сөзди ким алып, жәриялады?
13. Жаратқан Ийе былай дейди: – Олар Мениң өзлерине берген Нызамымды орынлаўдан бас тартты, даўысыма қулақ аспады ҳәм Нызамыма сай жасамады.
14. Керисинше, олар қайсарлық пенен өз жүрек қәлеўлерине берилип, ата-бабалары үйреткениндей, Баалларға ерди.
15. Соның ушын Әлемниң Жаратқан Ийеси Израилдың Қудайы былай дейди: – Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип, зәҳәрли суў ишкиземен.
16. Мен оларды өзлери де, ата-бабалары да танымайтуғын миллетлердиң арасына тарқатып жиберемен. Олар толық қырылып болмағанша, изине қылыш саламан.
17. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Ойланып көриң! Жоқлаў айтып жылайтуғын ҳаялларды шақырың! Олардың ең шеберлерин алдыртың!
18. Жылдам келип, бизлер ушын жыласын, Көзимизден жас шығарып, Қабағымыздан суўдай ағызсын.
19. Сионнан жоқлаў айтып жылаған даўыс еситиледи: «Бизлер ўайран болдық! Қатты уятқа қалдық! Жеримизди тәрк еттик, Мәканымыз жер менен жексен болды».
20. Ҳәй, ҳаяллар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Аўзынан шыққан сөзге қулақ салың! Қызларыңызға жылаўды, Олардың досларына жоқлаў жырын айтыўды үйретиң.
21. Көшелерде балаларды, Майданларда жасларды қырып таслаў ушын, Өлим әйнеклеримизге тырмасып, Қорған қалаларымызға кирди.
22. Оларға айт, Жаратқан Ийе былай дейди: – Адамның өли денелери, Ашық даладағы қый сыяқлы, Орақшылардан қалған масақ сыяқлы шашылып жатады. Оларды жыйнап алатуғын ҳеш ким болмайды.
23. Жаратқан Ийе былай дейди: – Дана адам даналығы менен, Күшли күши менен, Бай байлығы менен мақтанбасын.
24. Мақтанған адам Мени түсингени ҳәм танығаны менен, Жер жүзинде сүйиспеншилик, Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асыратуғын, Жаратқан Ийе Мен екеним менен мақтансын. Булардан Мен рәҳәтленемен, – дейди Жаратқан Ийе.
25. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – тек көзабаға сүннетленгенлердиң ҳәммесин жазалайман.
26. Мысырды, Яҳуданы, Эдомды, аммонларды, Моабты ҳәм шөлде жасап, тулымшақларын кесетуғынлардың ҳәммесин жазалайман. Өйткени бул миллетлердиң бәри сүннетсиз, пүткил Израил халқының да жүреги сүннетсиз.

1. Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сизлерге айтып атырған сөзлерин тыңлаң!
2. Жаратқан Ийе былай дейди: Миллетлердиң жолларын үйренбең, Басқа миллетлер қорққаны сыяқлы, Аспан белгилеринен қорқпаң.
3. Халықлардың дәстүрлери пайдасыз. Олар тоғайдан ағаш кесип алып, Устаның қуралы менен оған пишим береди.
4. Оны гүмис ҳәм алтын менен безейди, Жығылып кетпесин деп, Шеге менен шөккишлеп қағып қояды.
5. Бул бутлар палыз атызындағы қарақшыға уқсайды, Сөйлей алмайды, Көтерип жүриў керек, Өзлери жүре алмайды. Олардан қорқпаң, Олардың қолынан жаманлық ислеў де, Жақсылық ислеў де келмейди.
6. Жаратқан Ийе, Саған уқсағаны жоқ! Сен уллысаң, атың да қүдиретке ийе!
7. Миллетлер Патшасы, Сеннен қорқпайтуғын ким бар? Сен буған ылайықлысаң. Миллетлердиң барлық данышпанлары, Барлық патшалықлары арасында, Саған уқсағаны жоқ.
8. Бул халықлар ақмақ ҳәм ақылсыз. Жансыз ағаштан тәлим алады.
9. Таршиштен шөккишлеп тегисленген гүмис, Уфаздан алтын алып келинеди. Уста ҳәм зергер ислеген нәрсеге, Қызғыш көк ҳәм шым қызыл кийим кийгизеди. Ҳәммеси шебер өнерментлердиң иси.
10. Бирақ Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай, Ол тири Қудай ҳәм мәңгилик Патша. Ол қәҳәрленсе, жер титирейди, Миллетлер Оның ғәзебине шыдам бере алмайды.
11. Бутқа сыйынатуғын халықларға былай деп айт: «Жер ҳәм аспанды жаратпаған қудайлар, Жер бетинен ҳәм аспан астынан жоқ болады».
12. Өзиниң қүдирети менен жерди жаратқан, Даналығы менен дүньяны қурған, Ақылы менен көклерди жайған, Жаратқан Ийе болады.
13. Ол гүркирегенде, көктеги суўлар шуўылдайды, Ол жердиң шет-шебиринен бултларды көтереди. Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
14. Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады, Олардың мүсинлери алдамшы ҳәм жансыз.
15. Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
16. Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол – пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил урыўы – Оның мийрасы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
17. Қамалда жасағанлар, Бары-жоғыңызды жыйнаң
18. Өйткени Жаратқан Ийе былай дейди: – Мине, енди бул жердиң турғынларын ылақтырып таслайман. Таўып алыўы ушын, Оларды тар жерге қуўып алып бараман.
19. Сорым қурысын, сорлап қалдым! Жарақатым аўыр! Бирақ мен өзиме: «Басымда бул дәрт те бар екен, Шыдаўым керек», – дедим.
20. Шатырым қулады, үзилди барлық жиплери, Балаларым таслап кетти, енди олар жоқ. Шатырымды қайта тигетуғын, Перделерин тағатуғын ҳеш ким жоқ.
21. Шопанлар ақылдан адасты, Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сонлықтан ислери оңынан келмеди, Ҳәмме сүриўлери тарап кетти.
22. Тыңлаңлар, бир хабар киятыр! Яҳуда қалаларын шөлге, Сағаллар мәканына айландырыў ушын, Арқадан уллы шаўқым киятыр!
23. Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин, Өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
24. Жаратқан Ийе, ғәзебиң менен емес, Ал әдалатың менен мени тәрбияла! Болмаса мени қуртасаң.
25. Ғәзебиңди Өзиңди танымаған миллетлерге, Атыңды айтып шақырмаған қәўимлерге төк. Себеби олар Яқыпты жалмады, Пүткиллей қырып, жоқ қылып, Мәканын ўайран етти.

2. – Мына келисимниң шәртлерин тыңла! Буларды Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына баян ет.
3. Оларға айт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Бул келисимниң шәртлерине қулақ аспаған адамға нәлет жаўады.
4. Мен атабабаларыңызды Мысырдан, темир ошақтан алып шыққан күнимде оларға былай деп буйрық бердим: „Мениң даўысыма қулақ салың ҳәм буйырған нәрселеримниң бәрин орынлаң. Сонда сизлер Мениң халқым, Мен де сизлердиң Қудайыңыз боламан.
5. Солай ислесеңиз, ата-бабаларыңызға берген антымды орынлап, өзлериңиз ҳәзир ийелеген жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди беремен“». Сонда мен: – Аўмийин, Жаратқан Ийе, – деп жуўап бердим.
6. Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул сөзлердиң ҳәммесин Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде жәриялап, былай деп айт: «Бул келисимниң шәртлерин тыңлаң ҳәм оларды орынлаң.
7. Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққан күннен тап усы күнге шекем үзликсиз: „Сөзиме қулақ салың“, – деп қатты ескертип келдим.
8. Деген менен, олар тыңламады, қулақ аспады. Қайтама қырсығып, ҳәр бири жүрегиниң жаман қәлеўлери менен жүре берди. Сонлықтан келисимдеги барлық ғарғысты олардың басына жаўдырдым. Мен оларға буларды орынлаўды буйырған едим, бирақ олар орынламады».
9. Соңынан Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынлары арасында бир тил бириктириў жүзеге шықты.
10. Олар Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартқан ата-бабаларының айыпларына қайта оралды, басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет етти. Израил халқы да, Яҳуда халқы да Мениң ата-бабалары менен дүзген келисимимди бузды.
11. Сонлықтан Мен, Жаратқан Ийе былай деймен: Мен олардың басына қашып қутыла алмайтуғын апат жаўдыраман. Олар Мени шақырса да, Мен оларға қулақ салмайман.
12. Кейин Яҳуда қалалары менен Ерусалим турғынлары өзлери хош ийисли түтетки түтеткен қудайларына барып, жалбарынады. Бирақ апатшылық келгенде, бул қудайлар оларды ҳасла қутқармайды.
13. Яҳуда, сенде қанша қала болса, қудайларыңның саны да сонша! Жеркенишли бутқа, яғный Баал бутына арнап хош ийисли түтетки түтетиў ушын, Ерусалимде қанша көше болса, сонша қурбанлық орын қурдыңыз.
14. Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын жалбарынба да. Себеби апатшылыққа ушырап Мени шақырғанда, Мен оларға қулақ салмайман.
15. Сүйикли халқымның Ибадатханамда не жумысы бар? Олар көп жаман ислер қылды. Егер жаўызлық қылып атырып, шадланады екен, қалайынша қурбанлық гөши қабыл алынады!
16. Жаратқан Ийе саған «Сулыў мийўели, жасыл жапырақлы зәйтүн ағашы» деген ат берди. Енди болса, күшли ғалмағаллық шаўқымы астында оған от береди, оның шақалары жанып, набыт болады.
17. Бул теректи тиккен Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи сени жоқ қылыўды қарар етти. Өйткени Израил ҳәм Яҳуда халқы жаўызлықлар иследи, Баалға түтеткилер түтетип, Оның ғәзебин келтирди.
18. Жаратқан Ийе маған аян қылды. Олардың жаўыз нийетлерин ашып бергени ушын, мен оннан хабар таптым.
19. Мен болсам, баўызлаўға алып баратырылған жуўас бир қозы сыяқлы едим. Олардың маған қарсы тил бириктиргенин билмедим. Олар: «Келиң, ағашты мийўеси менен жоқ қылайық, Буннан былай, оның аты еске алынбаўы ушын, Тирилер әлеминен кесип таслайық», – деген еди.
20. Әдалатлы ҳүким шығаратуғын, Жүрек-қәлибти сынайтуғын, Әлемниң Жаратқан Ийеси! Даўамды Саған тапсыраман, Олардан қалай өш алғаныңды көрейин!
21. Сонлықтан жанымды алмақшы болып: «Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылма, болмаса, қолымыздан өлесең», – деген анатотлылар ҳаққында Жаратқан Ийе айтады.
22. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен оларды жазалайман. Жаслары қылыштан, балалары ҳәм қызлары ашлықтан өледи.
23. Ҳеш бири аман қалмайды. Ҳүким қылынатуғын жылы, Мен анатотлылардың басына апатшылық жаўдыраман».

1. Жаратқан Ийе, даўа-арзымды Саған алып келсем, Сен бәрқулла ҳақ болып шығасаң. Сонда да, ҳүким туўралы, Сениң менен сөйлеспекшимен. Не ушын жаманның иси жүриседи? Не ушын сатқынлар тынышлықта жасайды?
2. Оларды Сен отырғыздың, олар тамыр жайып, Өсип, мийўе берди. Атың аўзынан түспейди, Бирақ жүреги Сеннен алыс.
3. Мени болса, Жаратқан Ийе, Сен таныйсаң, Мени көресең, Өзиң ҳаққыңдағы пикирлеримди сынайсаң. Сол адамларды баўызланатуғын қойдай етип сүйреп, Сойылатуғын күн ушын ажыратып, тайынла.
4. Қашанға дейин жер аза тутып, Атызларда шөплер солып жатады? Ол жердиң турғынларының жаман ислери зардабынан, Ҳайўанлар ҳәм қуслар набыт болмақта. Себеби бул халық: «Ол бизлерге не болатуғынын көрмейди», – дейди.
5. – Еремия, пиядалар менен жарысып шаршасаң, Онда атлылар менен қалай жарысасаң? Жазық жерде сүрниксең, Онда Иордан бойындағы қалың тоғайда не қыласаң?
6. Ҳәтте, әкеңниң үй-иши, туўған-туўысқанларың, Саған қыянет етти, Артыңнан қатты сөйледи. Олар саған жақсы сөйлесе де, Оларға исенбе.
7. Мен үйимди тәрк еттим, Ийелигимди таслап кеттим. Жанымдай сүйген халқымды, Душпанларының қолына бердим.
8. Өз халқым Маған тоғайдағы арысландай болды, Маған ырылдады, соның ушын оны жек көремен.
9. Халқым жыртқыш қусқа, Ҳәр тәрептен топылысқа ушыраған жыртқыш қусқа уқсап қалмады ма? Барып, барлық жабайы ҳайўанларды топлаң, Олар Мениң ийелигимди жалмап жутсын.
10. Көп шопанлар жүзимзарымды набыт қылды, Атызымды басқылап таслады, Сүйикли атызымды тақыр шөлге айландырды.
11. Оны ўайран қылды, Кеўип, алдымда нала шегип атыр. Барлық жер ўайран болды, Оған кеўил бөлетуғын ҳеш ким жоқ.
12. Шөлдеги барлық тақыр төбелер арқалы, Қуртыўшылар киятыр. Жаратқан Ийениң, Мениң қылышым, Жердиң бир шетинен екинши шетине дейин қырып жояды. Оннан ҳеш ким аман қалмайды.
13. Олар бийдай егип, тикен орды, Тынбай мийнет етип, рәҳәт көрмеди. Лаўлаған ғәзебим себепли, Зүрәәт ала алмай шерменде болдыңыз.
14. Жаратқан Ийе былай дейди: Халқым Израилға берген мүлкиме қол салған барлық жаман қоңсыларын өз жерлеринен суўырып таслайман. Яҳуда халқын да олар менен бирге суўырып таслайман.
15. Ҳәммесин суўырып таслағанымнан соң, оларға және реҳим етип, ҳәр бирин өз мийрасына, өз жерине қайтып алып келемен.
16. Егер халқыма Баалдың атынан ант ишиўди үйреткени сыяқлы, өзлери де халқымның жолын ықлас пенен үйренип: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп, Мениң атым менен ант ишиўди үйренсе, онда олар да халқымның арасына орналасады.
17. Бирақ Маған қулақ салмаған ҳәр бир миллетти түп-тамыры менен қопарып, набыт қыламан, – дейди Жаратқан Ийе.

1. Жаратқан Ийе маған: – Барып, зығыр белбеў сатып ал. Оны белиңе байла, бирақ суўға тийгизбе, – деди.
2. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша мен белбеў сатып алып, оны белиме байладым.
3. Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти:
4. – Белиңдеги сатып алған белбеўиңди ал да, Параға барып, оны сол жердеги бир жартастың жарығына жасыр.
5. Мен Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып, белбеўди Параның бойына жасырдым.
6. Арадан көп күнлер өткеннен кейин, Жаратқан Ийе маған: – Тур, Параға бар да, жасырған белбеўиңди ал, – деди.
7. Кейин мен Параға кеттим, жасырған жеримди геўлеп, белбеўди алдым. Бирақ белбеў ширип, ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болып қалған еди.
8. Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
9. «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яҳуданың тәкаббирлигин ҳәм Ерусалимниң аса менменлигин ширитемен.
10. Бул жаўыз халық қайсар жүрегиниң қәлеўин орынлап, Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартты. Басқа қудайларға ерип, оларға хызмет етти, табынды. Соның ушын, олар да усы белбеў сыяқлы ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болады.
11. Белбеўдиң денеге жабысып турғаны сыяқлы, Мен де пүткил Израил ҳәм Яҳуда халықларын Өзиме жақын тутқан едим, – дейди Жаратқан Ийе. – Маған атақ-абырай, алғыс ҳәм даңқ келтиреди деп, олардың Өз халқым болыўын қәледим. Бирақ олар қулақ салмады».
12. – Оларға мына сөзлерди жеткер: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәмме меслер шарапқа толады». Егер олар саған: «Ҳәмме меслердиң шарапқа толатуғынын бизлер не билмеймиз бе?» – десе,
13. онда оларға былай деп жуўап бер: «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерде жасайтуғынлардың ҳәммесин – Даўыттың тахтында отырған патшаларды, руўханийлерди, пайғамбарларды ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммесин мәс болғанша шарапқа тойдыраман.
14. Мен оларды бир-бирине, ата-аналарын балаларына қарсы қылып қояман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды жоқ қылғанымда аямайман, ашынбайман, реҳим де етпеймен».
15. Тәкаббирлик етпей қулақ салып, тыңлаң, Себеби Жаратқан Ийе айтты.
16. Үстиңизге қараңғылық жиберместен, Зулмат таўларында аяғыңыз сүрникпестен алдын, Қудайыңыз Жаратқан Ийени уллылаң. Болмаса, Ол сизлер күтип атырған жарықлықты, Зулматқа айландырып, Тас түнек қараңғы қылады.
17. Егер бул сөзлерге қулақ салмасаңыз, Онда тәкаббирлигиңиз ушын жаным пинҳамы жылайды, Көзлерим ашшы-ашшы жас төгеди. Себеби Жаратқан Ийениң қойлары, Тутқын етип алып кетиледи.
18. Патшаға ҳәм ана ханшаға былай деп айт: «Тахтыңыздан түсип, жерге отырың, Өйткени салтанатлы тажыңыз басыңыздан түсип кетти».
19. Негебтиң қалалары жабылды, Оларды ашатуғын ҳеш ким жоқ. Пүткил Яҳуда сүргин етилди, Бирде бир адам қалмай сүргин етилди.
20. Ерусалим, басыңды көтерип, Арқадан киятырғанларға қара. Саған берилген сүриў, Әжайып сүриў қаяқта?
21. Өзиңе аўқамлас қылып жетистирген адамларыңды, Жаратқан Ийе сениң үстиңнен басшы қылса, не дер екенсең? Сонда толғақ тутқан ҳаялдың азабындай, Сен де азап шекпейсең бе?
22. Ишиңнен: «Не ушын булар мениң басыма түсти?» – дерсең. Айыпларыңның көплиги себепли, Етеклериң ашылды, намысыңа тийилди.
23. Хабашстанлы терисиниң реңин, Қаплан үстиндеги дақларын өзгерте ала ма? Сол сыяқлы, жаўызлық қылып үйренген сизлер де, Жақсылық қыла аласыз ба?
24. Мен сизлерди шөл самалы менен суўырылған, Қаўық сыяқлы ушырып жиберемен.
25. Сениң несийбең, Мен өлшеп беретуғын пайың – усы, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби сен Мени умытып, Жалғанға үмит байладың.
26. Шерменделигиңди көрсетиў ушын, Мен де етегиңди бетиңе дейин көтеремен.
27. Далаларда ҳәм төбешиклер үстинде, Сен қылған жеркенишли ислерди, Қыянетиңди, есиркеп киснеўиңди, Уятсыз бузықшылығыңды көрдим. Ҳәсирет саған, Ерусалим! Пәклениўиң ушын саған және қанша ўақыт керек?

1. Қурғақшылық ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2. – Яҳуда аза тутып, Қалалары қуўрап атыр. Адамлары жоқлаў айтып, жерде отыр, Ерусалимнен зарлаған даўыслар шығып атыр.
3. Ақсүйеклер қулларын суўға жиберди, Олар суў сақлағышларға барып, суў таппай, Бос ыдыслары менен үйлерине қайтты. Олар албырап, қысынып, жүзин жаўып алды.
4. Жерге жаўын жаўмағаннан кейин, Жер қақ айырылды. Дийханлар үмитсизликке түсип, Басын услады.
5. Ҳәтте, шөлдеги ана суўын да, От-шөп болмағаны ушын, Жаңа туўған баласын таслап кетпекте.
6. Қуланлар жалаңаш төбелерде турып, Сағаллар киби суўық демин алмақта. Отлақ болмағанлықтан, Көзлериниң нуры сөнген.
7. – Айыпларымыз бизге қарсы гүўалық берсе де, Өз атың ҳүрмети бир нәрсе қыл, Жаратқан Ийе! Қыянетимиз жүдә аўыр, Саған қарсы гүна иследик.
8. Израилдың үмити, Азап күнинде Қутқарыўшы! Неге жеримизге келген келгиндиге, Түнеп кететуғын жолаўшыға уқсайсаң?
9. Неге Сен албыраған адамға, Қутқарыўға күши жетпейтуғын, Жаўынгерге уқсайсаң? Бирақ Сен бизлердиң арамыздасаң-ғо, Бизлер Сениң атың менен шақырылдық, Бизлерди тәрк етпе, Жаратқан Ийе!
10. Бул халық туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Олар, ҳақыйқаттан да, қаңғырып жүргенди жақсы көреди, Аяқларын тыя алмайды. Сонлықтан Мениң оларға кеўлим толмайды, Енди айыпларын еске аламан, Гүналары ушын оларды жазалайман.
11. Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул халықтың абаданлығы ушын дуўа етпе.
12. Олар ораза тутса да, олардың жалбарыныўларына қулақ салмайман. Жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынса да, Мен оларды қабыл қылмайман. Керисинше, оларды қылыш, ашлық ҳәм оба кеселлиги менен қырып таслайман.
13. Сонда мен: – Қудай Ийе, пайғамбарлар бул халыққа қылыш жүзин көрмейсиз, ашлық та болмайды, бул жерде ҳақыйқый абадан турмыс кеширесиз деп атыр, – дедим.
14. Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди: – Пайғамбарлар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылмақта. Оларды Мен жибермедим. Оларға буйрық та бермедим, олар менен сөйлеспедим де. Олар сизлерге жалған аянларды, ашқан пайдасыз палын ҳәм өзлериниң жүреклери қәлеген жалғанларды айтып пайғамбаршылық етип жүр.
15. Сонлықтан Мениң атым менен пайғамбаршылық етип жүргенлерге былай деймен: «Оларды Мен жибермеген болсам да, олар: „Бул жерге қылыш та, ашлық та жоламайды“, – дейди. Бирақ бул пайғамбарлардың өзлери қылыш ҳәм ашлықтан қаза табады.
16. Олар пайғамбаршылық қылған халық та ашлық ҳәм қылыш себепли Ерусалим көшелерине ылақтырылады. Олардың өзлерин де, ҳаялларын да, ул-қызларын да жерлейтуғын ҳеш ким болмайды. Олардың жаўызлықларын өзлериниң басларына жаўдыраман».
17. – Сен оларға мына сөзди жеткиз: «Күни-түни көз жасым тоқтамасын. Себеби пәк қызым – халқым аўыр жарақатланды, Күшли соққы жеди.
18. Далаға шықсам, Қылыштан қаза тапқанлар, Қалаға кирсем, Ашлықтан өлимши болғанларды көремен. Пайғамбар да, руўханий де, Өзлери билмейтуғын жерде қаңғып жүр».
19. – Яҳудадан пүткиллей бас тартқаның ба? Сионнан да жеркенетуғын болдың ба? Не ушын бизди шыпасыз қылып жарақатладың? Бизлер парахатшылық күттик, Бирақ жақсылық көрмедик. Шыпа алатуғын ўақытты күттик, Орнына зәрремиз ушты.
20. Жаратқан Ийе, ислеген жаманлықларымызды, Ата-бабаларымыздың айыпларын мойынлаймыз. Алдыңда гүна иследик.
21. Атың ҳүрмети бизлерден жүз бурма, Салтанатлы тахтың ҳүрмети аяқ асты қылма. Бизлер менен дүзген келисимиңди еске ал, Оны бузба.
22. Миллетлердиң жарамсыз бутларының арасында, Жаўын жаўдыра алатуғыны бар ма? Ямаса аспан өзлигинен нөсер қуйдыра ала ма? Қудайымыз Жаратқан Ийе, буны тек ғана Сен ислей аласаң. Булардың ҳәммесин ислейтуғын Сенсең, Үмитимиз Сеннен!

1. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Ҳәтте, Муўса менен Самуел алдымда турып жалбарынса да, бул халыққа жүрегим жибимейди. Бул халықты алдымнан қуў, кетсин!
2. Егер олар сеннен: «Қай жерге барамыз?» – десе, оларға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Өлимге ҳүким етилгенлер – өлсин, Қылышқа ҳүким етилгенлер – қылыш астына түссин, Ашлыққа ҳүким етилгенлер – ашлыққа ушырасын, Тутқынлыққа ҳүким етилгенлер – тутқын болсын.
3. Оларға төрт түрли жаза бериўди қарар еттим, – дейди Жаратқан Ийе, – өлтириў ушын қылышты, тилкимлеў ушын ийтлерди, жеп, жоқ қылыў ушын көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларды жиберемен.
4. Яҳуда патшасы Хизкия улы Менашшениң Ерусалимде ислеген ислериниң кесири себепли, пүткил жер бетиндеги патшалықлар ушын оларды қорқынышлы көриниске айландыраман.
5. Ерусалим, саған кимниң жаны ашыйды? Ким сен ушын аза тутады? Ҳал-жағдай сораў ушын, Ким қайырылып, саған келер екен?
6. Сен Меннен жүз бурдың, – дейди Жаратқан Ийе, – Сен арқаңды қараттың. Сонлықтан қолымды көтерип, Сени жоқ қыламан. Сени аяўдан шаршадым.
7. Бул жердиң қала дәрўазаларында, Халқымды гүрек пенен суўыраман. Перзентлеринен айырып, Халқымды набыт қыламан. Өйткени олар жаман жолларынан қайтпады.
8. Олардың жесирлери теңиз қумынан да көп болады. Жигитлериниң аналарының үстине, Тал түсте набыт қылыўшыны жиберемен. Тосаттан оларды қайғы ҳәм қорқынышқа саламан.
9. Жети балалы ана ҳәлсиреп, Соңғы демин береди. Оның қуяшы күндиз-ақ батады. Ол уятқа қалып, масқара болады. Аман қалғанларды душпанларының көз алдында, Қылышқа тапсыраман, – дейди Жаратқан Ийе».
10. – Мениң сорым қурысын! Анажан, сен мени пүткил дүнья менен даўласып, Жәнжеллессин деп туўып па едиң? Мен ҳеш кимге қарыз бермедим, қарыз да алмадым, Сонда да ҳәмме мени нәлетлейди.
11. Жаратқан Ийе былай деди: – Мен сени пүткиллей душпанларға беремен. Апатшылық ҳәм бахытсызлық ўақтында, Оларды саған жиберемен.
12. Темирди, арқадан келген темир ҳәм қоланы, Ким сындыра алады?
13. Елдиң ҳәмме жеринде ислеген гүналарыңыз ушын, Байлығыңызды ҳәм ғәзийнеңизди, Душпанларыңызға аңсат олжа қыламан.
14. Мен сизлерди өзлериңиз билмейтуғын жердеги, Душпанларыңызға қул қыламан. Ғәзебим сизлерге қарсы тутанып, От болып жанады.
15. – Жаратқан Ийе, Сен билесең, Мени ядқа ал, жәрдем бер, Мени қуўғын қылғанлардан өшимди ал. Сабырлылығың менен мени набыт қылма, Билесең, Сен ушын хорлықларға шыдап атырман.
16. Сөзлериңди таўып, жедим. Сөзлериң маған қуўаныш, жүрегиме шадлық алып келди. Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Мен Сениң атың менен аталғанман.
17. Кейпи-сапа қурғанлар менен отырмадым, Олар менен йошып, шадланбадым. Сениң қолың үстимде болып, Мени ғәзепке толтырғаның ушын, Мен жалғыз отырдым.
18. Неге азабымның азары басылмайды? Неге жарақатым аўыр ҳәм шыпасыз? Сен мен ушын суўы қурып қала беретуғын, Алдамшы бир сай болажақсаң ба?
19. Буған Жаратқан Ийе былай деди: – Егер тәўбе қылсаң, қайта қабыл етип, Сени хызметиме қояман. Егер мәниссиз сөйлемей, Әҳмийетли сөзлерди айтсаң, Мениң тилим менен сөйлейсең. Бул халықтың өзлери саған қайтады, Бирақ сен оларға қайырылып қарама.
20. Мен сени бул халық ушын, Қоладан исленген беккем дийўал қыламан. Олар сениң менен урысады, бирақ жеңе алмайды. Қутқарыў ҳәм азат қылыў ушын, Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе. –
21. Сени наҳақлардың қолынан азат етемен, Реҳимсизлердиң пәнжесинен сатып аламан.

1. Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2. – Үйленбе, бул елде ул-қызларың болмасын.
3. Бул жерде туўылған ул-қызлар, оларды туўған аналар ҳәм оларды дөреткен әкелер туўралы Жаратқан Ийе былай дейди:
4. Олар аўыр кеселликлерден өледи. Олар ушын жоқлаў айтылмайды, олар жерленбейди. Олар топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады. Қылыштан қаза табады, ашлықтан өледи. Денелери көктеги қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
5. Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Намаз болып атырған үйге кирме, жоқлаў айтыў ямаса кеўил билдириў ушын барма. Мен бул халықтан тынышлығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм реҳимимди алып қойдым, – дейди Жаратқан Ийе.
6. – Бул жерде үлкенинен кишкенесине дейин ҳәммеси өледи. Оларды ҳеш ким жерлемейди, олар ушын жоқлаў айтып, өз денелерин тилип, шашларын алдырмайды.
7. Өлиге жоқлаў айтып жылағанларды жубатып, шөрек сындырып беретуғын да, ата-анасын еске алғанда тәселле кесесин усынатуғын да ҳеш ким болмайды.
8. Той болып атырған үйге де кирме, олар менен отырып, ишип-жеме.
9. Себеби Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сизлердиң күнлериңизде, сизлердиң көз алдыңызда бул жердеги қуўаныш ҳәм шадлық даўысын, келин ҳәм күйеўдиң даўысын тыяман.
10. Бул сөзлердиң ҳәммесин халыққа жеткергениңде, олар саған: «Не ушын Жаратқан Ийе бизлерге бул аўыр азаптың барлығын жаўдырмақшы екенин билдирди? Жазығымыз не? Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы қандай гүна иследик?» – дейди.
11. Сонда сен оларға былай деп жуўап бер: «Ата-бабаларыңыз Мени тәрк етти, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар басқа қудайларға ерди, оларға хызмет етип, табынды. Мени таслап кетти, Нызамыма әмел қылмады.
12. Сизлер болсаңыз, ата-бабаларыңыздан да бетер жаманлық қылдыңыз. Маған қулақ салмай, ҳәр бириңиз қырсықлық пенен жүрегиңиздиң жаманлықларын ислеп атырсыз.
13. Соның ушын Мен сизлерди бул жерден шығарып, өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да билмейтуғын жерге ылақтырып таслайман. Ол жерде күни-түни басқа қудайларға хызмет етесиз. Мен сизлерге реҳим қылмайман».
14. «Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – адамлар артық „Израил халқын Мысырдан алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, демейтуғын болады.
15. Буның орнына, „Израил халқын арқадан, Өзи қуўып жиберген барлық жерлерден алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, дейтуғын болады. Себеби Мен оларды ата-бабаларына берген жерге қайтарып алып келемен.
16. Мине, Мен көп балықшыларды жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе, – балықшылар оларды тутады. Буннан кейин, Мен көп аңшыларды жиберемен. Аңшылар барлық таў, барлық төбешик ҳәм барлық жартаслардың жарықларынан оларды аўлайды.
17. Oлардың барлық жоллары Мениң көз алдымда, олар Меннен жасырына алмайды, қылмыслары да нәзеримнен қаша алмайды.
18. Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».
19. Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».
20. Адам өзине қудайларды соға ала ма? Ақыры, булар Қудай емес-ғо!»
21. – Солай екен, бул рет Мен оларға сабақ берейин, Күшимди ҳәм қүдиретимди көрсетип қояйын. Сонда олар Мениң атымның Жаратқан Ийе екенин билип алады.

1. – Яҳуданың гүнасы темир қәлем менен жазылды. Бул олардың жүреклериниң тахтасына, Қурбанлық орынның шақларына, Шақмақ тас пенен ойып жазылды.
2. Ҳәр бир бийик төбешиктеги, Қойыў жапырақлы теректиң астындағы, Қурбанлық орынлар менен кийели ағашларға, Олардың балалары да табыныўын даўам етпекте.
3. Жеримдеги таўым үстинде, Пүткил аймағыңызда қылған гүналарыңыз ушын, Мен сениң байлығыңды, Барлық ғәзийнелериңди, Сыйыныў орынларың менен бирге, Душпанға олжа қылып беремен.
4. Өз айыбың себепли, Өзиңе берген үлесимнен жуда боласаң. Мен сени өзиң билмейтуғын жердеги, Душпанларыңа қул қыламан. Сизлер Мениң ғәзебимди тутандырдыңыз, Ол мәңгиге жанады.
5. Жаратқан Ийе былай дейди: – Инсанға исенген, Инсанның күшине сүйенген, Жүреги Жаратқан Ийеден алыслаған, Адамға нәлет жаўсын!
6. Ол шөлдеги путаға мегзейди, Жақсылық келгенде, оны көрмейди. Ол күйдиретуғын шөлде, Адамсыз дузлы жерде жасайды.
7. Жаратқан Ийеге үмит байлаған, Оған сүйенген адам қандай бахытлы!
8. Ол суў жағасына отырғызылған терекке мегзейди, Тамырын өзекке қарай жаяды. Ыссыдан қорқпайды, Жапырағы бәрқулла жасыл болады. Жыл қурғақ келсе де, қайғыға батпайды, Мийўе бериўин тоқтатпайды.
9. Адам жүреги ҳәмме нәрседен де ҳийлекер, Ҳасла дүзелмейди, Оған ким түсине алады?
10. Мен – Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның тутқан жолына, Ислеген ислерине қарай қайтарыў ушын, Адамның жүрегине қарайман, Қәлбин сынайман.
11. Ҳарам байлық жыйнаған адам, Өзи туўмаған мәйекке қурық басқан кекликке уқсайды. Өмириниң ортасында байлығы қолдан кетип, Ақырында ол ақмақ болып шығады.
12. – Мухаддес Ибадатханамыз – әзелден көтерилген, Жаратқан Ийениң салтанатлы тахты!
13. Жаратқан Ийе, Израилдың Үмити! Сени тәрк еткенлердиң ҳәммеси уятқа қалады. Сеннен жүз бурғанлардың атлары, Қумға жазылғандай жоқ болады. Себеби олар тири суў булағын, Жаратқан Ийени тәрк етти.
14. Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, саўалайын, Мени қутқар, қутқарылайын. Себеби тек Өзиңе алғыс айтаман.
15. Олар маған: «Жаратқан Ийениң сөзи қай жерде? Ол әмелге ассын», – дей береди.
16. Мен хызметиңде шопан болыўдан қашпадым. Апатшылық күниниң келиўин де тилемедим. Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөзди Өзиң билесең. Ол сөзлер Сениң алдыңда айтылған.
17. Мениң ҳүрейимди ушырма, Апатшылық күни панам Өзиңсең.
18. Мени қуўғын қылғанлар уятқа қалсын, Бирақ мени уятқа қалыўдан сақлай гөр. Оларды қорқыўға сал, Бирақ мени қорқыўдан сақлай гөр. Оларға апатшылық күнин жаўдырып, Еки есе аўыр соққы берип, жоқ қыл.
19. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшалары кирип-шығатуғын Халық дәрўазасына барып, сол жерде тур. Соңынан Ерусалимниң басқа дәрўазаларына да барып тур.
20. Халыққа былай деп айт: «Мына дәрўазалардан өтетуғын Яҳуда патшалары, пүткил Яҳуда халқы ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21. Жаратқан Ийе былай дейди: Егер өмириңизди сақлап қалмақшы болсаңыз, онда Шаббат күни жүк тасымаң, оны Ерусалим дәрўазалары арқалы алып өтпең.
22. Сол күни үйиңизден жүк шығармаң, ҳеш қандай жумыс ислемең. Мениң ата-бабаларыңызға буйырғанымдай, Шаббат күнин мухаддес сақлаң.
23. Деген менен, ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ та салмады. Қайсарлық етип, Мени тыңламады, тәрбиямды алмады.
24. Бирақ егер сизлер Маған қулақ салып, – дейди Жаратқан Ийе, – Шаббат күни бул қаланың дәрўазаларынан жүк алып өтпесеңиз, ҳеш қандай жумыс ислемей, Шаббат күнин мухаддес сақласаңыз,
25. онда Даўыттың тахтында отыратуғын патшалар өз ҳәмелдарлары менен арбаларға ҳәм атларға минип, Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынларын ертип, бул қаланың дәрўазаларынан киреди. Бул қалада мәңгиге адамлар жасайды.
26. Яҳуда қалаларынан, Ерусалимниң әтирапларынан, Бенямин жеринен, батыстағы таў етеклеринен, таўлы үлкеден, Негебтен адамлар келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жандырылатуғын қурбанлықлары менен басқа қурбанлықларын, ғәлле садақаларын, хош ийисли түтетки менен миннетдаршылық қурбанлықларын алып келеди.
27. Егер де Мени тыңламасаңыз, Шаббат күни Ерусалим дәрўазаларынан жүк пенен кирип, мухаддес Шаббат күнин мухаддес сақламасаңыз, онда қала дәрўазаларына от беремен. От Ерусалим сарайларын жандырып жоқ қылады, ол ҳеш қашан сөнбейди».

1. Жаратқан Ийеден Еремияға мынадай сөз түсти:
2. – Тур, гүлалшының үйине бар, сол жерде Өз сөзимди аян қыламан.
3. Мен гүлалшының үйине барғанымда, оның гүлал әсбабын айландырып жумыс ислеп отырғанын көрдим.
4. Ылайдан ислеп атырған ыдысы гүлалшының қолында бузылып кеткенде, ол сол ылайдан өзиниң көзине жаққандай басқа бир ыдысты шығарды.
5. Сол ўақытта Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
6. – Ҳәй, Израил халқы, мына гүлалшының өз ыдысына ислегениндей нәрсени, Мен де сизлерге ислей алмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Ылай гүлалшының қолында қандай болса, Израил халқы, сизлер де Мениң қолымда сондайсыз.
7. Қәлеген ўақытта Мен қандай да бир миллет ямаса патшалықты түп-тамыры менен суўырып таслаў, қулатыў ҳәм жоқ қылыў туўралы шешим қабыл ете аламан.
8. Бирақ Мен айтқан сол халық жаўызлықлары ушын тәўбе қылса, оның басына жаўдыратуғын апатшылығымнан ўаз кешемен.
9. Айтайық, Мен бир миллетти ямаса патшалықты қурып, беккемлеў туўралы жар салсам,
10. бирақ сол миллет Мениң нәзеримде жаўыз ислерди қылып, сөзиме қулақ салмаса, онда Мен оған ислемекши болған жақсылығымнан ўаз кешемен.
11. Сонлықтан енди Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына айт, Жаратқан Ийе былай дейди: – Мен сизлерге бир апатты таярлап, бир жоба ойлап атырман. Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди дүзетиң.
12. Бирақ олар: «Бизлер ушын әўере болмаң! Өз нийетимизди иске асыра беремиз, ҳәр биримиз жаўыз жүрегимиздиң қайсарлығы менен ис тута беремиз», – дейди.
13. Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Миллетлерден сораң, Буған уқсаған нәрселерди ким еситипти? Пәк қыз Израил, Қорқынышлы ис қылды.
14. Лебанон жартаслы жанбаўырларындағы, Қарлар ҳеш ерип, жоқ болар ма? Алыс таўлардан ағып келген муздай суўлар, Ада болар ма екен?
15. Бирақ Мениң халқым Мени умытты. Олар пайдасыз бутларға түтетки түтетти. Булар оларды өз жолында сүрниктирди, Ески жоллардан адастырды. Олар туўры жолдан шығып, Терис жолдан жүрип кетти.
16. Олардың жери қыйратылып, Мәңгиге масқара болады. Жанынан өткенлердиң жаны түршигип, Басларын шайқайтуғын болады.
17. Шығыс самалы киби, Оларды душпанларының алдына шашаман. Олар апатшылыққа ушырағанда, Жүзимди бурып, арқамды көрсетемен.
18. Сонда халық: «Келиң, Еремияға қарсы тил бириктирейик. Руўханийлер үйрететуғын Нызам да, данышпанлардың мәсләҳәти де, пайғамбарлардың сөзлери де бизлерге жетерли. Еремияға қарсы сөйлеп, оның ҳеш бир сөзине қулақ аспайық», – деди.
19. Жаратқан Ийе, мени тыңла, Душпанларымның сөзлерин есит!
20. Неликтен жақсылыққа жаманлық қайтармақшы? Олар маған гөр қазды. Оларға деген ғәзебиңди басыў ушын, Олардың ийгилигин гөзлеп, Алдыңда қалай жалбарынып турғанымды есиңе ал.
21. Буның ушын, балаларын ашлыққа ушыратып, Оларды қылыш жүзине тапсыр. Ҳаяллары перзентлеринен айырылып, Жесир болып қалсын. Еркеклери әжел тапсын, Жаслары урыста қылыштан қаза тапсын.
22. Тосаттан үстине қарақшыларды жибергениңде, Үйлеринен дад-пәрияд еситилсин. Себеби мени түсириў ушын гөр қазды, Аяғымның астына тор таслады.
23. Жаратқан Ийе, Сен олардың мени өлтириў ушын, Дүзген барлық жобаларын билесең. Олардың айыпларын кеширме, Гүналарына көз жумба. Олар Сениң алдыңда қуласын, Ғәзепленгениңде оларға қарсы ис тут.

1. Жаратқан Ийе былай деди: – Барып, гүлалшыдан ылайдан исленген гүзе сатып ал. Жаныңа халық ақсақалларынан ҳәм руўханийлердиң жасы үлкенлеринен алып,
2. Гүзениң сынығы дәрўазасы арқалы шығып, Бен-Ҳинном ойпатлығына бар. Саған айтпақшы болған сөзлеримди сол жерде жәрияла.
3. Оларға былай де: «Ҳәй Яҳуда патшалары менен Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул жерге сондай апатшылық алып келемен, ол туўралы еситкен адамның қулақлары шуўылдайды.
4. Себеби бул халық Мени тәрк етип, бул жерди ҳарамлады. Олар бул жерде өзлери де, ата-бабалары да, Яҳуда патшалары да билмеген басқа қудайларға қурбанлық жандырып, бул жерди бийгүна адамлардың қанына толтырды.
5. Олар Баалға арнап сыйыныў орынларын қурды ҳәм өз балаларын отқа жағып, Баалға жандырылатуғын қурбанлық қылып берди. Мен оларға булай ислеўди буйырған да, айтқан да жоқпан, бундай нәрсе қыялыма да келмеген.
6. Мине, сондай ўақытлар келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – бул жер артық Тофет яки Бен-Ҳинном ойпатлығы деп емес, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады.
7. Усы жерде Яҳуда менен Ерусалимниң нийетлерин пушқа шығараман. Оларды душпанлардың қылышына, оларда қасты барлардың қолына тапсыраман. Денелерин көктеги қусларға ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанларға жем қыламан.
8. Мен бул қаланы қарабақанаға айландырып, күлкиге қалдыраман. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, басынан өткен нәрселери себепли оны табалайды.
9. Мен бул қаланың турғынларын өз ул-қызларының етин жеўге мәжбүр қыламан. Жанын алыўды қәлеген душпанлар оларды қамалға алғанда, олар мүтәжликтен бир-бириниң етин жейди».
10. Сен өзиң менен келгенлердиң көз алдында гүзени сындырып,
11. оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Гүлалшының гүзесиниң сынып, оның қайта дүзетилмейтуғыны сыяқлы, Мен де бул халықты ҳәм бул қаланы солай сындыраман. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди.
12. Мен бул жерге де, оның турғынларына да солай қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. Бул қаланы да Тофеттей қыламан.
13. Ерусалимниң үйлери де, Яҳуда патшаларының сарайлары да Тофет деген орын сыяқлы ҳарам саналады. Себеби барлық үйлердиң төбелеринде аспан денелерине арнап хош ийисли түтеткилер түтетилди ҳәм басқа қудайларға арнап ишимлик садақалары қуйылды».
14. Кейин Еремия Жаратқан Ийе пайғамбаршылық қылыў ушын жиберген жеринен, Тофеттен қайтып келди. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде турып, пүткил халыққа былай деди:
15. «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Олар қайсарлық етип, сөзимди тыңлаўдан бас тартқаны ушын, Мен бул қалаға ҳәм оның әтирапындағы қалаларға Өзим айтқан бәлелердиң ҳәммесин жиберемен».

1. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бас хызметкери руўханий Иммер улы Пашхур Еремияның пайғамбаршылық етип усы сөзлерди айтып атырғанын еситти.
2. Пашхур Еремия пайғамбарды урып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының Жоқарғы Бенямин дәрўазасы жанында буғаўлатып қойды.
3. Ертеңине, Пашхур оны буғаўдан босатқан ўақтында, Еремия оған былай деди: – Жаратқан Ийе сени Пашхур деп емес, ал Магор-Миссабиб деп атады.
4. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: «Басыңа түсетуғын ислер арқалы Мен сени ҳәм ҳәмме досларыңды қорқынышқа саламан. Олардың душпан қылышынан қалай қулағанын өз көзлериң менен көресең. Мен пүткил Яҳуданы Бабилония патшасының қолына беремен. Бул патша оларды Бабилонға сүргин қылады ямаса қылыштан өткереди.
5. Мен бул қаланың пүткил байлығын, малмүлкин, қымбатбаҳа затларын, Яҳуда патшаларының барлық ғәзийнелерин душпанларының қолына беремен. Оларды талантараж етип, Бабилонға алып кетеди.
6. Ал Пашхур, сен ҳәм үйиңде жасайтуғынлардың ҳәммеси Бабилонияға сүргин қылынасыз. Сен де, өзиң пайғамбаршылық еткен досларың да сол жерде өлип, сол жерде жерленесиз».
7. Жаратқан Ийе, Сен мени алдадың, Мен де алдандым. Сен меннен күшлисең, мени жеңдиң. Ҳәр бир адам үстимнен күлип, Күни бойы мени мазақлап жүр.
8. Қашан сөйлей басласам, пәрияд етемен, «Зорлық ҳәм қырғын болады», – деп бақыраман. Жаратқан Ийе, Сениң сөзиң себепли, Күн бойы аяқ асты болып, күлкиге қаламан.
9. Егер ишимнен: «Енди Сен туўралы ойламайман, Сениң атыңнан сөйлемеймен», – десем де, Сөзлериң жүрегимди от киби, Сүйеклеримди шоқ киби өртейди, Оны ишимде сақлаўдан шаршадым, Артық шыдай алмайман.
10. Көплердиң: «Жән-жақты қорқыныш қаплаған, Үстинен шағым қылың! Бизлер де шағым қылайық!» – деген сыбырлысын еситемен. Сырлас досларымның ҳәммеси, Қулаўымды күтип, көз тигип: «Бәлким ол алданар, қолға түсер, Сонда өшимизди алармыз», – дейди.
11. Бирақ Жаратқан Ийе, Сен батыр жаўынгер киби, Мениң менен биргесең, Сонлықтан мени қуўғын қылыўшылар сүрнигип, Мени жеңе алмайды. Табысқа ерисе алмай, Олар қатты уятқа қалады, Олардың аяқ асты болғаны, Ҳеш қашан умытылмайды.
12. Әлемниң Жаратқан Ийеси, әдиллерди сынайтуғын, Жүрек-қәлибти анық көре алатуғын Сенсең! Даўамды исенип Саған тапсыраман, Олардан қалай өш алғаныңды көрсет маған.
13. Жаратқан Ийеге алғыс айтың! Жаратқан Ийеге қосық айтың! Жаратқан Ийени алғыслаң! Себеби жарлының жанын, Залымлардың қолынан Ол қутқарады.
14. Мен туўылған күнге нәлет жаўсын! Анам мени туўған күн қутлы болмасын!
15. «Уллы болдың», – деп әкеме хабар берген, Оны қуўандырған адамға нәлет жаўсын!
16. Сол адам Жаратқан Ийе аяўсыз қырған, Қалаларға уқсасын. Ол таң азанда аҳыў-нала, Түсте урыс сүренин еситсин.
17. Өйткени ол анамның қурсағында мени өлтирмеди. Сонда анам мениң қәбирим болар еди, Оның қурсағы мәңгиге ҳәмиле менен қалар еди.
18. Мен не ушын қурсақтан шыққан екенмен? Азап ҳәм қайғыны бастан кеширип, Шерменделик пенен өмир сүриў ушын ба?

1. Патша Седекия Малкия улы Пашхур менен Маасея улы руўханий Сефанияны Еремияға жибергенде, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Пашхур менен Сефания Еремияға:
2. – Бабилония патшасы Набуходоносор бизлерге урыс ашты. Сол себепли бизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарын. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлер ушын бурынғыдай әжайып кәраматларынан бирин көрсетип, Набуходоносор елимизден шегинер, – деди.
3. Еремия оларға Седекияға мынаны айтып барыўды тапсырды:
4. – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң сыртқы дийўалларыңызды қамал қылған Бабилония патшасына ҳәм калдейлерге қарсы қолланып атырған қолларыңыздағы қуралларды өзлериңизге қарсы бураман. Олардың ҳәммесин бул қаланың ортасына топлайман.
5. Күшли билегим ҳәм созылған қолым мениң ашыўға, қәҳәрге ҳәм ғәзепке минип, Мениң Өзим сизлерге қарсы урысаман.
6. Мен бул қалада жасаўшылардың ҳәммесин: адамларды да, ҳайўанларды да жоқ қыламан. Олар қорқынышлы иллеттен қырылады.
7. Буннан кейин, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшасы Седекияны, оның ҳәмелдарларын, бул қаланың турғынларын, яғный иллеттен, қылыштан ҳәм ашлықтан аман қалғанларының ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм жанын алыўды қәлеген душпанларының қолына тапсыраман. Набуходоносор оларды қылыштан өткереди, оларға реҳим етпейди, жаны ашымайды, аямайды».
8. Бул халыққа Жаратқан Ийениң былай деп атырғанын айтың: «Мине, Мен өмир жолы менен өлим жолын усынаман.
9. Бул қалада қалған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал қаладан шығып, өзлерин қамал қылып турған калдейлерге тәслим болған ҳәр бир адам болса, жанын қутқарып, өмирин сақлап қалады.
10. Мен бул қалаға жақсылық қылыў ушын емес, – дейди Жаратқан Ийе, – ал апатшылық келтириў ушын бет бурдым. Қала Бабилония патшасының қолына бериледи, Ол қалаға от қояды».
11. Яҳуда патшасының үй-ишине айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
12. Ҳәй, Даўыттың нәсили, Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәр күни азанда әдалатты жүзеге асырың, Жәбирленгенди залымның қолынан азат етиң. Болмаса, қылған жаўызлықларыңыз себепли, Ғәзебим оттай лаўлап жанады, Оны ҳеш ким сөндире алмайды.
13. Ҳәй, ойпатлықтағы бийик жартас, Тегислик үстиндеги Ерусалим! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлер: „Ким жоқарыдан асып түсип, бизге қарсы шыға алады? Ким қорғанымызға кире алады?“ – дейсизлер.
14. Мен сизлерди ис-ҳәрекетиңизге жараса жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Тоғайларыңызға от беремен, От әтирапыңыздағылардың ҳәммесин жалмайды».

1. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшасының сарайына бар да, мына сөзди оған аян ет:
2. «Ҳәй, Даўыттың тахтында отырған Яҳуда патшасы, сен, ҳәмелдарларың ҳәм бул дәрўазадан өтетуғын халқың, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3. Жаратқан Ийе былай дейди: Әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Тоналғанды езиўшиниң қолынан азат етиң. Келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге наҳақлық қылмаң ҳәм азар бермең. Бул жерде айыпсыз қан төкпең.
4. Егер бул буйрықты муқыят орынласаңыз, онда Даўыттың тахтында отырған патшалар атларға ҳәм арбаларға минип, олардың өзлери де, хызметкерлери де, халқы да усы сарай дәрўазаларынан киреди.
5. Егер бул буйрықты орынламасаңыз, тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – бул сарай қарабақанаға айланады.
6. Себеби Жаратқан Ийе Яҳуда патшасының сарайы туўралы былай дейди: Сен Мениң көзиме Гиладтай, Лебанонның шыңындайсаң. Бирақ Мен сени шөл далаға, Адамсыз қалаға айландыраман.
7. Саған қуртыўшыларды жиберемен, Ҳәр бириниң қолында қуралы бар, Олар сениң сарайыңа қолланған кедрлериңди, Отқа ылақтырады.
8. Көп миллетлер бул қала жанынан өткенде, бир-бирине: „Бул уллы қаланы Жаратқан Ийе не ушын бундай қылды екен?“ – дейди.
9. Оларға былай деп жуўап бериледи: „Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң келисимин бузып, басқа қудайларға табынып, оларға хызмет етип кетти“».
10. Өлген патша ушын жоқлаў айтпаң, ол ушын аза тутпаң, Жақсысы, тутқын болған патша ушын жылаң, Ол қайтып келмейди, Ана журтын көрмейди.
11. Әкеси Иошияның орнына Яҳуданың патшасы болған ҳәм ол жерден шығып кеткен Иошия улы Шаллум туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: «Ол бул жерге қайтып келмейди.
12. Ол тутқын қылып алып барылған жеринде өледи ҳәм артық бул жерди көрмейди».
13. Сарайын әдалатсызлық пенен, Жоқарғы бөлмелерин нызамсызлық пенен салған, Жақын адамларын ешейин жумсап, Мийнет ҳақысын бермеген ҳәсирет шегеди!
14. «Жоқарғы бөлмелерин кең қылып, Өзим ушын зәўлим сарай саламан», – дейди биреў. Оған көп айналар қойып, Кедр ағашы менен қаплап, Оны қызыл реңге бояйды.
15. Кедр ағашын көп қолланған менен, Патша болып қаласаң ба? Әкең тойып ишип-жегени менен, Әдил ҳәм туўры ислерди иследи, Сонлықтан ислери табыслы болды.
16. Ол жарлы ҳәм бийшараның ҳуқықын қорғады, Сол себепли абадан турмыс кеширди. Мени таныўдың мәниси усы емес пе? – дейди Жаратқан Ийе. –
17. Бирақ сениң көзиң ҳәм жүрегиң, Ҳарам пайданы, айыпсыз қан төгиўди, Зулым ҳәм зорлық қылыўды қәлейди.
18. Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳояким туўралы былай дейди: «Ўай-ўай, туўысқаным! Ўай-ўай, баўырым!» – деп, Ол ушын жоқлаў айтылмайды. «Ўай-ўай, мырзам! Ўай-ўай, тақсырым!» – деп, Ол ушын жоқлаў айтып жыламайды.
19. Оның өлигин Ерусалим дәрўазасынан сыртқа шығарып таслап, Ешектиң өлигин көмгендей етип жерлейди.
20. Ерусалим, Лебанонға шығып, пәрияд ет. Даўысың Башаннан еситилип турсын, Абаримнен пәрияд ет, Себеби барлық ойнасларың қырылды.
21. Абаданшылықта болғаныңда саған ескерттим, Бирақ сен: «Мен тыңламайман», – дедиң. Жаслығыңнан солай ислеп, Мени ҳеш тыңламадың.
22. Барлық басшыларыңды самал ушырып кетеди, Аўқамласларыңды сүргин қылып алып кетеди. Сонда ислеген зулымлықларың ушын, Уятқа қалып, шерменде боласаң.
23. Ҳәй, Лебанонда жасап, Оның кедрине уя салған! Туўып атырған ҳаялдың толғағы сыяқлы, Сени шаншыў тутқанда, азаптан ыңырсыйсаң!
24. Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Ҳәй, Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония, ҳәтте, сен оң қолымдағы мөр жүзигим болсаң да, сени шығарып ылақтырған болар едим.
25. Мен сени жаныңда қасты барлардың ҳәм өзиң қорқатуғынлардың, Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм калдейлердиң қолына тапсыраман.
26. Сени ҳәм сени туўған ананы киндик қаның тамбаған өзге бир журтқа ылақтыраман. Сизлер сол жерде өлесиз.
27. Сизлер бул жерге қайтып келиўди әрман қыласыз, бирақ қайтып келе алмайсыз.
28. Мына адам – Ехония сынық гүзеге, Керексиз буйымға айланып қалған ба? Не ушын ол ҳәм оның балалары қуўылып, Өзлери билмейтуғын жерге ылақтырып тасланды?
29. Ҳәй елим, елим, елим, Жаратқан Ийениң сөзин тыңла!
30. Жаратқан Ийе былай дейди: Бул адамды зүрядсыз, Өмиринде иси келиспеген адам, деп жазып қой. Себеби енди оның нәсилинен ҳеш бириниң жолы болмас. Ҳеш бири Даўыттың тахтына отырмас, Яҳудада ҳүкимдарлық қылмас.

1. Жайлаўымдағы қойларды набыт қылып, тарқатып жиберген шопанлар ҳәсирет шегеди! – дейди Жаратқан Ийе.
2. Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын баққан шопанлар ҳаққында былай дейди: Сизлер Мениң сүриўимди дағыттыңыз, оларды тарқатып жиберип, ғамхорлық қылмадыңыз. Мен сизлерди жаўыз ислериңиз ушын жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе.
3. – Сүриўимнен аман қалғанларын Өзим қуўып жиберген барлық еллерден жыйнап, қайтадан жайлаўларына алып келемен. Олар сол жерде көбейип, өсип-өнеди.
4. Мен олардың үстинен оларды бағатуғын шопанларды қояман. Олар енди қорқып, қәўетерге түспейди ҳәм жойтылмайды, – дейди Жаратқан Ийе.
5. Мине, сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Даўыттың нәсилинен әдил бир Шақаны шығараман. Сол патша тахтқа отырып, даналық пенен басқарады, Жер жүзинде әдалат ҳәм туўрылық ҳүкимдарлық қылады.
6. Оның дәўиринде Яҳуда қутқарылады, Израил қәўипсизликте жасайды. Оның аты былай деп аталады: «Жаратқан Ийе – әдиллигимиз».
7. Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – артық: «Израилды Мысырдан алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп айтылмайды.
8. Ал: «Израил халқын арқадағы еллерден ҳәм Өзи қуўып жиберген басқа барлық еллерден алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп айтылатуғын болады. Солай етип, олар өз жерлеринде жасайды.
9. Пайғамбарлар ҳаққында: Жүрегим ишимде парра-парра болды, Пүткил сүйеклерим қалтырайды. Жаратқан Ийе себепли, Оның мухаддес сөзи себепли, Мен мәс адам киби, Шарапқа жеңилген адам киби болдым.
10. Жер бузықларға толы, Ел нәлет зардабынан аза тутпақта. Шөлдеги жайлаўлар күйип кеткен. Адамлар жаман жолға түсип, Күшлерин наҳақлыққа қолланбақта.
11. Пайғамбарлар да, руўханийлер де иплас, Ҳәтте, олардың жаманлықларын, Өз Үйимде де көрдим, – дейди Жаратқан Ийе. –
12. Сонлықтан жүрген жоллары оларға, Қараңғылықтағы тайғақ жолдай болады. Сол жерде сүрнигип, жығылады. Себеби оларды жазалайтуғын жылда, Олардың басына апатшылық жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе.
13. Самария пайғамбарлары арасында, Мен мына жеркенишли исти көрдим: Олар Баалдың атынан пайғамбаршылық етип, Халқым Израилды жолдан азғырды.
14. Ал Ерусалим пайғамбарлары арасында, Буннан да қорқынышлырақ исти көрдим. Олар бузықшылық етип, жалғанға ерип, Жаманлық қылғанларды қоллап атыр. Сонлықтан ҳеш ким жаманлықтан қол үзбейди. Олардың ҳәммеси Мен ушын Содомдай, Оның турғынлары Гоморадай болып кетти.
15. Соның ушын, пайғамбарлар ҳаққында Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип, Зәҳәрли суў ишкиземен. Өйткени Ерусалим пайғамбарларының ипласлығы, Пүткил жер жүзине жайылды.
16. Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Пайғамбарлар сизлерге сөйлегенде, қулақ салмаң, Олар сизлерди босқа үмитлендиреди. Олар Мениң сөзлеримди емес, Өзлери қыял еткен аянларды айтып жүр.
17. Олар Мениң сөзимди ҳүрмет етпейтуғынларға, «Жаратқан Ийе: Сизлерде парахатшылық болады, – деп айтты», – дейди. Жүреклериниң қайсарлығы менен жасайтуғынлардың ҳәммесине: «Апат келмейди», – дейди.
18. Ким Жаратқан Ийениң кеңесинде қатнасыпты? Ким Оны көрип, сөзин еситипти?
19. Мине, Жаратқан Ийениң ғәзеби даўылдай дүбеп, Қуйын сыяқлы залымлардың басына дөнеди.
20. Жүректеги нийетин толық иске асырмағанша, Жаратқан Ийениң ғәзеп оты сөнбейди. Сизлер буны ўақты келгенде анық түсинесиз.
21. Бул пайғамбарларды Мен жибермедим, Олардың өзлери ортаға шығыўға асықты. Мен ҳеш нәрсе айтпасам да, Олар пайғамбаршылық ете берди.
22. Егер олар Мениң кеңесимде болғанда, Халқыма Мениң сөзлеримди айтып, Оларды жаман жолларынан, Жаўызлықларынан қайтарған болар еди.
23. Мен тек жақын жерде ғана Қудай болып, Алыста Қудай емеспен бе? – дейди Жаратқан Ийе. –
24. Қупыя жерге жасырынғанды, Мени көрмейди деп ойлайсыз ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Аспан менен жерди Мен толтырмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе.
25. Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық еткен пайғамбарлардың не айтып жүргенин еситтим. Олар: «Мен түс көрдим! Мен түс көрдим!» – дейди.
26. Өтирик пайғамбаршылықты айтып, өз қыялларын жәриялайтуғын пайғамбарлардың жүректеги жалған ой-қыяллары қашанға дейин даўам етеди?
27. Ата-бабалары Баалға табыныў арқалы Мениң атымды умытқаны сыяқлы, олар да бир-бирине айтқан түслери арқалы халқыма Мениң атымды умыттырмақшы болады.
28. Түс көрген пайғамбар түсин айтсын, ал Мениң сөзимди еситкен, оны садық баян етсин. Кепек пенен дәнниң арасында үлкен айырмашылық бар – дейди Жаратқан Ийе.
29. – Мениң сөзим жалынға, – дейди Жаратқан Ийе, – жартасты майдалайтуғын шөккишке уқсамай ма? – дейди Жаратқан Ийе.
30. – Соның ушын, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен бир-биринен сөзимди урлаған пайғамбарларға қарсыман.
31. – Аўа, Мен өз сөзлерин айтып, «Жаратқан Ийе айтты», дейтуғын пайғамбарларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе.
32. – Аўа, Мен жалған түслер менен пайғамбаршылық ететуғынларға қарсыман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз түслерин айтып, жалған сөзлери ҳәм бос үгитлери менен Мениң халқымды жолдан азғырады. Оларды Мен жибермедим, оларға Мен тапсырма бермедим. Олардың бул халыққа ҳасла пайдасы жоқ, – дейди Жаратқан Ийе.
33. – Егер сеннен бул халық, пайғамбар ямаса руўханий: «Жаратқан Ийе саған қандай аўыр пайғамбаршылық жүкледи?» – деп сораса, сен оларға: «Сизлердиң өзлериңиз Маған жүксизлер. Мен сизлерди тәрк етемен, – дейди Жаратқан Ийе» – деп жуўап бер.
34. Егер бир пайғамбар, руўханий ямаса халық ишинен бири: «Бул Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – десе, онда Мен сол адамды ҳәм оның үй-ишин жазалайман.
35. Сизлер бир-бириңизге ҳәм туўысқан туўысқанға: «Жаратқан Ийе не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?» – деп айтыңлар.
36. Бирақ буннан былай: «Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – деген сөзди қолланбаң. Себеби ҳәр кимниң өз сөзи өзине жүк болады. Бул арқалы сизлер тири Қудайдың, Қудайымыз Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзин бурмалап таслайсыз.
37. Пайғамбардан тек: «Жаратқан Ийе саған не деп жуўап берди? Ямаса Жаратқан Ийе не деди?» – деп сораңлар.
38. Егер сизлер: «Жаратқан Ийеден келген жүк», – деп айта беретуғын болсаңыз, онда Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: Мен сизлерге: «Жаратқан Ийениң пайғамбаршылық жүги», – деген сөзди айтпаўды буйырсам да, сизлер «Жаратқан Ийеден келген жүк», – деген сөзди және айттыңыз.
39. Сонлықтан Мен жоқарыға көтерип, сизлерди өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген қала менен бирге дәргайымнан ылақтырып таслайман.
40. Мен сизлерди мәңгиге иснатқа қойып, мәңгиге умытылмайтуғын шерменделикке қалдыраман.

1. Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехонияны, Яҳуданың басшыларын, өнерментшилери менен темиршилерин Ерусалимнен Бабилонға тутқын етип алып кеткеннен соң, Жаратқан Ийе маған Ибадатхананың алдына қойылған еки себет әнжирди көрсетти.
2. Бир себетте ерте писер жүдә жақсы әнжирлер, екиншисинде жеўге жарамсыз жаман әнжирлер бар еди.
3. Бир себетте ерте писер жүдә жақсы әнжирлер, екиншисинде жеўге жарамсыз жаман әнжирлер бар еди.
4. Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5. «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерден калдейлердиң жерине Мен жиберген Яҳуда тутқынларын усы жақсы әнжирлер деп есаплайман.
6. Олардың ийгилиги ушын, нәзерим оларда болады. Оларды усы жерге қайтараман. Оларды аяққа турғызаман, қулатпайман, отырғызаман, қопарып тасламайман.
7. Мен оларға Жаратқан Ийе екенимди танып билетуғын жүрек беремен. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан. Себеби олар шын жүректен Маған қайтады.
8. Мен Яҳуда патшасы Седекияны, оның басшыларын, бул жерде Ерусалимниң аман қалғанларын ҳәм Мысыр жерине көшип қоныс басқанларды мына жеўге болмайтуғын әнжирлерге уқсатаман, – дейди Жаратқан Ийе.
9. – Мен олардың басына сондай апатшылық саламан, буны көрген жер бетиндеги пүткил патшалықлар қорқынышқа түседи. Сүргин қылған жерлеримниң ҳәммесинде олар масқара болып, әпсанаға айланады, табаланып, атыңды ғарғыста қолланады.
10. Өзлерине ҳәм ата-бабаларына берген жеримнен жоқ болғанша, олардың үстине қылыш, ашлық ҳәм иллет дөндиремен».

1. Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылы, Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының биринши жылы Еремияға пүткил Яҳуда халқы ҳаққында аян болды.
2. Пайғамбар Еремия буны пүткил Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына жеткерип, былай деди:
3. – Мине, жигирма үш жылдан бери, Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның патшалығының он үшинши жылынан, усы күнге дейин Жаратқан Ийениң сөзи маған түсти. Мен оларды сизлерге қайтақайта айттым, бирақ сизлер тыңламадыңыз.
4. Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарларды сизлерге қайта-қайта жиберсе де, оларға қулақ салмадыңыз, итибар да бермедиңиз.
5. Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарларды сизлерге қайта-қайта жиберсе де, оларға қулақ салмадыңыз, итибар да бермедиңиз.
6. Басқа қудайларға ермең, хызмет етпең ҳәм табынбаң. Қолларыңыз бенен ислеген бутлар менен ғәзебимди келтирмең. Сонда Мен де сизлерге зыян келтирмеймен».
7. – Бирақ сизлер Мени тыңламай, – дейди Жаратқан Ийе, – қолларыңыз бенен ислеген бутларыңыз себепли ғәзебимди келтирдиңиз ҳәм өзиңизге зыян жеткиздиңиз.
8. Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мениң сөзлеримди тыңламағаныңыз ушын,
9. Мен арқадағы барлық халықларды ҳәм Бабилония патшасы болған қулым Набуходоносорды шақыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды бул жердиң пүткил турғынларына ҳәм айналасындағы барлық миллетлерге қарсы атландыраман. Бул халықларды пүткиллей жоқ қыламан. Оларды көргенлер ҳүрейи ушып, қорқатуғын қылып, мәңгилик қарабақанаға айландыраман.
10. Оларды қуўаныш ҳәм шадлықтан жуда қыламан, келин-күйеўдиң тойының сести еситилмейди, дигирман сести де тынады, шырағы сөнеди.
11. Пүткил ел қаңырап, қарабақанаға айланады. Бул миллетлер жетпис жыл Бабилония патшасына хызмет етеди.
12. Жетпис жыл өткеннен кейин Мен Бабилония патшасын, оның халқын ҳәм калдейлердиң елин қылған қылмысы ушын жазалап, – дейди Жаратқан Ийе, – жерин мәңгиликке шөл далаға айландыраман.
13. Мен сол жерге қарсы айтқанларымның ҳәммесин, бул китапта жазылғанлардың ҳәммесин, яғный Еремияның пүткил миллетлер туўралы айтқан пайғамбаршылықларын әмелге асыраман.
14. Көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оларды қул қылады. Мен оларға ис-ҳәрекетине ҳәм қолларының исине сай қайтараман».
15. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе маған былай деди: – Мына Мениң қәҳәримниң шарабына толған кесени қолымнан ал да, Мен сени жиберетуғын миллетлердиң ҳәммесине оны ишкиз.
16. Олар сол кеседен ишип, тентиреклейди ҳәм ақылын жойтады. Аўа, Мен оларға қылыш жиберемен.
17. Мен кесени Жаратқан Ийениң қолынан алып, Жаратқан Ийе мени жиберген миллетлердиң ҳәммесине оннан ишкиздим.
18. Бүгин болғаны киби ўайраншылық, қорқыныш, масқарашылық ҳәм нәлет болсын деп, Ерусалимге, Яҳуда қалаларына, оның патшалары менен басшыларына ишкиздим.
19. Сондай-ақ Мысыр патшасы фараонға, оның хызметкерлерине, басшыларына ҳәм пүткил халқына,
20. Мысырда жасап атырған барлық келгиндилерге, Ус жериниң барлық патшаларына, Филист жериндеги: Ашкелон, Газа, Экрон патшаларына ҳәм Ашдодтың аман қалғанларының патшасына,
21. Эдомға, Моабқа ҳәм аммонларға,
22. Тирдиң барлық патшаларына, Сидонның барлық патшаларына, теңиз жағалаўларындағы ҳәм атаўлардағы патшаларға,
23. Деданға, Темаға, Бузға ҳәм тулымшақларын кесип жүретуғынлардың ҳәммесине,
24. барлық Арабстан патшаларына ҳәм шөлде жасайтуғын аралас қәўимлердиң барлық патшаларына,
25. Зимрийдиң, Эламның ҳәм Мидияның барлық патшаларына,
26. узақ-жақын жердеги барлық арқа патшаларына ҳәм жер бетиндеги барлық патшалықларға нәўбетпе-нәўбет ишкиздим. Булардың ҳәммесинен кейин, Бабилония патшасы да ишеди.
27. – Соңынан оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Ишип, мәс болың, қусың ҳәм өзлериңизге жиберетуғын қылышымнан қайтып турмайтуғындай болып қулаң».
28. Егер олар сениң қолыңнан кесени қабыл қылып, ишиўден бас тартса, оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сөзсиз ишесиз!
29. Мине, Мен Өз атым менен аталған қалаға апат жибериўди басладым. Сизлер жазасыз қаламан деп ойлайсыз ба? Жазасыз қалмайсыз, себеби Мен жер бетинде жасап атырған ҳәр бир адамға қылыш жиберемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
30. Сонлықтан мына сөзлердиң ҳәммесин оларға пайғамбаршылық етип айт: «Жаратқан Ийе жоқарыдан гүркиреп, Мухаддес мәканынан саза береди. Өз жайлаўындағы халқына бар даўысы менен гүркирейди. Пүткил жер бети турғынларына қарсы, Жүзим басқылағанның бақырғанындай бақырады.
31. Ақырыўы жер бетиниң ушларына жетеди, Себеби Жаратқан Ийениң миллетлерге даўасы бар. Ол пүткил адамзатқа ҳүким шығарып, Залымларды қылыштан өткереди, – дейди Жаратқан Ийе».
32. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Қараңлар, апат халықтан халыққа өтпекте. Жер бетиниң шетинен, Қорқынышлы даўыл турмақта.
33. Сол күни Жаратқан Ийе өлтиргенлер жердиң бир шетинен екинши шетине дейин жайрап қалады. Оларға жоқлаў айтылмайды, жыйнап алынбайды, жерленбейди, тезек сыяқлы шашылып жатады.
34. Шопанлар жылап, дад-пәрияд қылың! Сүриўдиң басшылары, күлге аўнаң! Сизлердиң баўызланып, тарқатылатуғын күниңиз келди, Қулатылып, қымбатбаҳа ыдыс сыяқлы сындырыласыз.
35. Шопанлар қаша алмас, Сүриў басшылары қутылып кетпес.
36. Шопанлардың пәрияд еткен даўысы, Сүриў басшыларының еңиреп жылағанлары еситилип тур. Жаратқан Ийе олардың жайлаўларын жайпап таслап атыр.
37. Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби себепли, Тыныш жайлаўлар набыт болмақта.
38. Ол арысландай болып ининен шықты. Оның лаўлаған ғәзебинен, Басқыншылардың қылышынан, Олардың жери қаңырап бос қалады.

1. Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийениң сөзи аян болды.
2. Жаратқан Ийе былай деди: – Мениң Үйимниң ҳәўлисине барып тур да, Яҳуда қалаларынан сыйыныў ушын сол жерге келгенлердиң ҳәр бирине саған айтыўды буйырған сөзлеримниң бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин айт.
3. Олар қулақ салып, ҳәр бири жаман жолынан қайтыўы мүмкин. Сонда Мен ырайымнан қайтып, олардың жаўыз ислери ушын жаўдырмақшы болған апатты жибермеймен.
4. Оларға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Егер сизлер Мени тыңламасаңыз ҳәм өзлериңизге берген Нызамымды орынламасаңыз,
5. қайта-қайта жиберген қулларым болған пайғамбарларымның сөзлерине қулақ аспаўды даўам етсеңиз,
6. онда Мен бул Үйди Шило сыяқлы жоқ қыламан. Бул қаланы болса, жер жүзиниң пүткил миллетлери ушын нәлетий қыламан».
7. Руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Үйинде Еремияның айтқан бул сөзлерин еситти.
8. Еремия Жаратқан Ийениң пүткил халыққа айт деп өзине буйырған сөзлериниң ҳәммесин айтып болыўдан, руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Еремияны тутып алып:– Сен сөзсиз өлесең!
9. Неге сен: «Бул Үй Шилодай болады, ал бул қала адамсыз қарабақанаға айланады», – деп, Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық етесең? – деди. Жаратқан Ийениң Үйинде пүткил халық Еремияның айналасына топланды.
10. Яҳуда басшылары буны еситкенде, олар патшаның сарайынан Жаратқан Ийениң Үйине келди ҳәм Жаратқан Ийениң Үйиниң Таза дәрўазасының кирер аўзындағы өз орынларына отырды.
11. Сонда руўханийлер менен пайғамбарлар басшыларға ҳәм пүткил халыққа: – Өз қулақларыңыз бенен еситкениңиздей, бул адам усы қалаға қарсы пайғамбаршылық қылды. Сонлықтан бул адам өлим жазасына ылайықлы! – деди.
12. Сонда Еремия барлық басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе мени бул Үй ҳәм қала ҳаққында жаңа еситкен сөзлериңизди пайғамбаршылық етиў ушын жиберди.
13. Енди жолларыңызды ҳәм ислериңизди дүзетип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың. Сонда Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, сизлерге жиберемен деген апатын жибериўден ўаз кешеди.
14. Маған келсек, мен сизлердиң қолыңыздаман, көзиңизге не жақсы ҳәм дурыс болып көринсе, соны ислең.
15. Бирақ мынаны билип қойың: егер мени өлтирсеңиз, бул қала да, оның турғынлары да, сизлер де төгилген бийгүна қан ушын жуўапкер боласыз. Ҳақыйқаттан да, бул сөзлердиң ҳәммесин қулағыңызға жеткериў ушын мени Жаратқан Ийе сизлерге жиберди.
16. Сонда басшылар менен пүткил халық руўханийлер менен пайғамбарларға: – Бул адам өлимге ҳүким етилмеўи керек. Ол бизлерге Қудайымыз Жаратқан Ийениң атынан сөйледи, – деди.
17. Сонда сол жердиң ақсақалларынан бир нешеси алдыға шығып, жыйналған халыққа былай деди:
18. – Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде морешетли Миха пайғамбаршылық етип, пүткил Яҳуда халқына былай деген еди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сион егин майданы киби сүрилип, Ерусалим қарабақанаға айланады, Ибадатхана турған таўды, Тоғай қаплайды».
19. Буның ушын Яҳуда патшасы Хизкия ямаса Яҳуда халқынан бири Миханы өлтирип пе еди? Қайтама, Хизкия Жаратқан Ийеден қорқып, Оннан реҳим сораған жоқ па еди? Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, оларға жиберемен деген апатын жибермей қойған жоқ па еди? Бизлер болсақ, өзимизге үлкен апат жаўдырайын деп турмыз.
20. Кирят-Яримнен Шемая улы Урия деген бир адам да Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылып жүрген еди. Ол да тап Еремияға уқсап, бул қала ҳәм елге қарсы пайғамбаршылық қылды.
21. Патша Еҳояким өзиниң әскербасылары ҳәм барлық ҳәмелдарлары менен оның сөзлерин еситкенде, оны өлтирмекши болды. Урия буны еситкенде қорқып кетип, Мысырға қашып кетти.
22. Патша Еҳояким Ахбор улы Элнатанды бир неше адамлар менен Мысырға жиберди.
23. Олар Урияны Мысырдан алып шығып, Еҳояким патшаға алып келди. Ол Урияны қылыш пенен өлтирип, денесин қарапайым халық жерленетуғын мазарға ылақтырды.
24. Бирақ Шафан улы Ахиқам Еремияны қорғағаны себепли, Еремия өлтирилиў ушын халықтың қолына берилмеди.

1. Яҳуда патшасы Иошияның улы Седекияның патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти.
2. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Қайыс пенен ағаштан мойынтырық ислеп, оны мойныңа тақ.
3. Соңынан Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға келген елшилер арқалы Эдом, Моаб, Аммон, Тир ҳәм Сидон патшаларына хабар жибер.
4. Елшилерге өз мырзаларына мына хабарды билдириўин буйыр. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мырзаларыңызға мынаны айтыңлар:
5. Бул дүньяны, жер бетинде жасап атырған адамларды ҳәм ҳайўанларды Мен уллы қүдиретим ҳәм созылған қолым менен жараттым. Солай екен, оны қәлеген адамыма беремен.
6. Енди бул жерлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы қулым Набуходоносорға бердим. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым.
7. Оның елиниң ақырғы күни келгенше, барлық миллетлер оның өзине, улына ҳәм ақлығына хызмет етеди. Кейин көп миллетлер ҳәм уллы патшалар оның өзин қул қылады.
8. Егер қандай да бир миллет ямаса патшалық Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етпесе, оның мойынтырығын тақпаса, сол миллетти Мен бул патшаның қолы менен жоқ қылмағанымша, қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе.
9. Соның ушын: „Бабилония патшасына хызмет қылмайсыз“, – деп атырған пайғамбарларыңызға, палкерлериңизге, түс жорыўшыларыңызға, болжаўшыларыңызға, сыйқыршыларыңызға қулақ салмаң.
10. Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Буның нәтийжесинде, Мен сизлерди елиңизден айдап шығып, сүргин қыламан, ақыбетте набыт боласыз.
11. Бирақ Бабилония патшасының мойынтырығын тағып, оған хызмет еткен миллетти өз жеринде қалдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар өз жеринде жасап, өз жерине ислеў береди».
12. Мен Яҳуда патшасы Седекияға да сол сөзлерди айтып былай дедим: «Бабилония патшасының мойынтырығын тағып алың, оған ҳәм оның халқына хызмет етип, тири қалың.
13. Жаратқан Ийе Бабилония патшасына хызмет етпеген ҳәр бир миллетти өлтиретуғынын айтқан еди. Солай екен, сизге ҳәм халқыңызға қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен набыт болыўдың неге кереги бар?
14. „Бабилония патшасына хызмет қылма“, – деп айтып атырған жалған пайғамбарлардың сөзлерине қулақ аспаң. Олар жалған пайғамбаршылық қылып атыр.
15. Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе, – бирақ олар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылып атыр. Сонлықтан Мен сизлерди қуўып жиберемен. Сизлер ҳәм сизлерге пайғамбаршылық етип атырған пайғамбарларыңыз набыт боласыз».
16. Соңынан мен руўханийлерге ҳәм пүткил халыққа қарата сөйледим: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Жақында Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы затлар Бабилоннан қайтып алып келинеди“, – деп атырған пайғамбарларға қулақ салмаң. Олар сизлерге жалған пайғамбаршылық қылмақта.
17. Оларға қулақ салмаң. Бабилония патшасына хызмет етиң ҳәм аман қалың. Не ушын бул қала қарабақанаға айланыўы керек?
18. Егер олар пайғамбар болса, оларда Жаратқан Ийениң сөзи болса, онда олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасында, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған затлардың Бабилонға алып кетилмеўин сорап, Әлемниң Жаратқан Ийесине жалбарынсын.
19. Әлемниң Жаратқан Ийеси Ибадатханадағы қоладан исленген затлар: өрелер, ҳәўиз, түбелдирик, бул қалада қалған басқа затлар туўралы айтады.
20. Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехонияны, Яҳуданың ҳәм Ерусалимниң барлық ақсүйеклерин Ерусалимнен Бабилонға сүргин етип алып кеткенде, айырым затларды қалдырып кеткен еди.
21. Аўа, Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз Ибадатханасында, Яҳуда патшасының сарайында ҳәм Ерусалимде қалған сол затлар туўралы былай дейди:
22. „Олар Бабилонға алып кетиледи. Мен оларға нәзер аўдармағанымша, олар сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе. – Кейин Мен оларды қайтарып алып келемен“».

1. Сол жылы, төртинши жылдың бесинши айында, Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басында, гибонлы Аззур улы пайғамбар Ханания Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы руўханийлер менен халықтың алдында маған былай деди:
2. – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Бабилония патшасының мойынтырығын сындыраман.
3. Еки жыл өтпей, Бабилония патшасы Набуходоносор бул жерден Бабилонға алып кеткен Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли затлардың ҳәммесин қайтарып алып келемен.
4. Және Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония менен Бабилонға сүргин етилген пүткил яҳудалыларды бул жерге қайтарып алып келемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилония патшасының мойынтырығын сындырып таслайман».
5. Сонда мен, Еремия пайғамбар Жаратқан Ийениң Ибадатханасында турған руўханийлердиң ҳәм пүткил халықтың алдында пайғамбар Хананияға
6. былай дедим: – Аўмийин! Жаратқан Ийениң айтқаны келсин! Жаратқан Ийе Өз Ибадатханасынан алып кетилген затларды ҳәм тутқынларды Бабилоннан бул жерге қайтарып, сениң пайғамбаршылық етип айтқан сөзлериңди әмелге асырсын.
7. Бирақ мениң саған ҳәм мына халықтың ҳәммесине айтатуғын сөзимди тыңла.
8. Меннен де, сеннен де бурын жасап кеткен пайғамбарлар көп жерлерге ҳәм уллы патшалықларға қарсы урыс, ашлық ҳәм иллет болады деп пайғамбаршылық еткен.
9. Бирақ тынышлық болады, деп пайғамбаршылық еткен пайғамбардың сөзи жүзеге асқаннан кейин ғана, сол пайғамбарды ҳақыйқаттан да Жаратқан Ийе жибергени белгили болған еди.
10. Сонда Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты алып, сындырды да,
11. топланып турған халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Еки жыл өтпей, Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың мойынтырығын барлық миллетлердиң мойнынан алып, усылай сындыраман». Буннан кейин, Еремия өз жолы менен кетти.
12. Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты сындырғанынан кейин көп өтпей, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13. – Барып, Хананияға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сен ағаштан исленген мойынтырықты сындырдың, енди оның орнын темирден исленген мойынтырық ийелейди.
14. Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул миллетлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етиўге мәжбүрлеў ушын, мойнына темир мойынтырық салдым, олар оған хызмет етеди. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым».
15. Еремия пайғамбар Ханания пайғамбарға былай деди: – Қулақ сал, Ханания! Сени Жаратқан Ийе жибермеди, сен бул халықты жалғанға исениўге мәжбүр қылдың.
16. Соның ушын Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени жер бетинен сыпырып таслайман. Жаратқан Ийеге қыянет етиўге шақырғаның ушын, усы жылы-ақ өлесең».
17. Солай етип, сол жылдың жетинши айында Ханания дүньядан өтти.

1. Пайғамбар Еремия Ерусалимнен Бабилонияға Набуходоносор тәрепинен тутқын қылып алып кетилген тутқынлар арасында аман қалған ақсақалларға, руўханийлерге, пайғамбарларға ҳәм пүткил халыққа Ерусалимнен хат жоллады.
2. Бул хат Ехония патша менен оның анасы, сарай хызметкерлери, Яҳуда ҳәм Ерусалим басшылары, өнерментшилер ҳәм темиршилер Ерусалимнен сүргин етилгеннен кейин жазылд.
3. Хат Яҳуда патшасы Седекияның Бабилония патшасы Набуходоносорға жиберген адамлары, Шафан улы Эласа ҳәм Хилкия улы Гемария арқалы берип жиберилди. Хатта былай деп жазылған еди:
4. «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи Ерусалимнен Бабилонияға сүргин еткен ҳәр бир адамға былай дейди:
5. Үйлер қурып, орналасың, бағ егип, оның жемисин жең.
6. Үйленип, ул-қызлы болың. Улларыңызды үйлендирип, қызларыңызды турмысқа бериң. Олардан да уллар ҳәм қызлар дүньяға келсин. Ол жерде азаймаң, қайта көбейиң.
7. Mен сизлерди тутқын етип жиберген қаланың абаданшылығын тилең. Ол қала ушын Жаратқан Ийеге дуўа етиң, сизлердиң абадан турмыс кешириўиңиз оның абаданшылығына байланыслы.
8. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Араңыздағы пайғамбарлар менен палкерлериңизге өзиңизди алдатпаң. Олар көрген түслерин айтқанда қулақ салмаң.
9. Олар Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық айтады. Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе.
10. Жаратқан Ийе былай дейди: Бабилонияда болғаныңызға жетпис жыл толғанда, Мен сизлерге нәзер аўдарып, сизлерди усы жерге қайтарып алып келемен деген ийгиликли ўәдемди орынлайман.
11. Мен сизлер ушын дүзген жобаларымды Өзим билемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Бул жобаларым сизлерге апат емес, ал абаданшылық алып келеди, келешекке үмит бағышлайды.
12. Сонда сизлер Мени шақырасыз, келип, Маған дуўа етесиз. Мен де сизлерди еситемен.
13. Сизлер Мени излейсиз, егер шын жүректен излесеңиз, табасыз.
14. Аўа, Мени табасыз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң абаданшылығыңызды қайта тиклеймен. Мен сизлерди қуўғын қылған жерлеримниң ҳәммесинен, барлық миллетлер арасынан жыйнап аламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерди қай жерден сүргин қылған болсам, сол жерге қайтып алып келемен.
15. Бирақ сизлер: „Жаратқан Ийе Бабилонияда бизлерге пайғамбарлар берди“, – дейсиз.
16. Жаратқан Ийе Даўыттың тахтында отырған патша ҳаққында, бул қалада қалған пүткил халық ҳаққында, сизлер менен сүргинге кетпеген туўысқанларыңыз ҳаққында билдирди.
17. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен оларға қылыш, ашлық ҳәм иллет жибердим. Оларды жеўге болмайтуғын ширик әнжирдей қыламан.
18. Қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен олардың изинен қуўып, жер бетиндеги барлық патшалықларды қорқынышқа саламан. Мен оларды қуўып жиберген миллетлер арасында олар ғарғысқа қалып, қорқыныш қуралына айланады, табаланып, жек көринши болады.
19. Себеби олар Мениң сөзлеримди ҳәм қайтақайта өзлерине жиберген қулларым пайғамбарлардың сөзлерин тыңламады, – дейди Жаратқан Ийе.
20. Сонлықтан ҳәй, барлық сүргиндегилер, Ерусалимнен Бабилонияға сүргин қылғанларым, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21. Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық қылған Қолая улы Ахаб пенен Маасея улы Седекия ҳаққында Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Оларды Бабилония патшасы Набуходоносорға тәслим етемен. Ол екеўин де сизлердиң көз алдыңызда өлтиреди.
22. Солай етип, Яҳудадан Бабилонға сүргин етилгенлер арасында: „Жаратқан Ийе сени Бабилония патшасы тирилей отта жаққан Седекия ҳәм Ахабтай қылсын“, – деген ғарғыс пайда болады.
23. Олар Израилда жарамас ислерди иследи, қоңсыларының ҳаяллары менен бузықшылық қылды, Мен буйырмасам да, Мениң атымнан жалған сөзлерди айтты. Мен буларды билемен ҳәм Өзим оларға гүўаман, – дейди Жаратқан Ийе».
24. – Нехеламлы Шемаяға айтыңлар:
25. «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сен Ерусалимдеги пүткил халыққа, Маасеяның улы руўханий Сефанияға ҳәм басқа барлық руўханийлерге өзиңниң атыңнан былай деп хатлар жоллапсаң:
26. „Руўханий Еҳояданың орнына Жаратқан Ийе сени руўханий етип тайынлады. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қадағалаўшысы сыпатында, өзин пайғамбар етип көрсеткен ҳәр бир телбени кисенлеп, темир буғаў менен буғаўлаўың керек.
27. Солай екен, не ушын араңызда пайғамбаршылық қылып жүрген анатотлы Еремияға шара көрмедиңиз?
28. Себеби ол бизлерге, Бабилонияға хат жоллап: „Сүргин узақ даўам етеди. Өзлериңизге үйлер қурып, оларда жасаңлар. Бағлар отырғызып, олардың мийўесин жеңлер“, – деп жазыпты“».
29. Руўханий Сефания бул хатты пайғамбар Еремияға еситтирип оқыды.
30. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
31. – Сүргиндегилердиң ҳәммесине мына хатты жибер: «Жаратқан Ийе нехеламлы Шемая ҳаққында былай дейди: „Мен оны жибермеген болсам да, Мениң атымнан сизлерге пайғамбаршылық қылып, жалғанға исендирди.
32. Мен нехеламлы Шемаяны ҳәм оның урпақларын жазалайман. Оның әўладынан ҳеш бири бул халық арасында жасамайды ҳәм халқыма ислейтуғын жақсылығымды көрмейди, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби ол Маған қарсы сөйледи“».

1. Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2. Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай деди: – Саған айтқан сөзлеримниң ҳәммесин бир орама китапқа жаз.
3. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – халқым Израил менен Яҳуданың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен. Мен оларды ата-бабаларына берген жериме қайтарып алып келемен, олар сол жерге ийелик қылады, – дейди Жаратқан Ийе.
4. Израил ҳәм Яҳуда ҳаққында Жаратқан Ийе айтқан сөзлер мыналар:
5. «Жаратқан Ийе былай дейди: Сизлер тынышлық емес, Ала-сапыран ҳәм қорқыныш даўысын еситип турсыз.
6. Енди сораң ҳәм көриң! Еркек бала туўа ма? Неге толғақ тутқан ҳаялдай, Ҳәр бир еркектиң қолын белинде көрип турман? Неге ҳәммесиниң жүзи солғын?
7. Қандай қорқынышлы күн! Оған уқсаған күн басқа болмаған. Бул Яқып урпағы ушын апат ўақты, Бирақ олар оннан қутқарылады.
8. Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Мен мойныңдағы мойынтырықты сындыраман, Буғаўларды қопараман. Артық басқа миллетлерге хызмет етпейди.
9. Оның орнына, Қудайы Жаратқан Ийеге, Мен тахтқа отырғызған, Даўыт әўладынан болған патшаға хызмет етеди.
10. Сен, қулым Яқып, қорқпа, – дейди Жаратқан Ийе, – Қәўетерленбе, Израил! Мен сени қутқарып, узақ елден, Урпақларыңды тутқын болған елинен қайтараман. Яқып, сен қайтып келесең, Бийқәтер ҳәм тыныш жасайсаң. Сени қорқытатуғынлар да болмайды.
11. Ал Мен сениң менен биргемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Сени қутқараман. Сени арасына шашқан, Миллеттиң бәрин жоқ қыламан. Тек сени жоқ қылмайман. Бирақ сени әдалатлық пенен тәрбиялайман, Сени жазасыз қоймайман.
12. Жаратқан Ийе былай дейди: Жарақатларың шыпасыз, Жараң аўыр.
13. Сениң даўаңды ҳеш ким қорғамайды, Жараңа шыпа беретуғын дәри жоқ, Саған ҳеш қандай шыпа жоқ.
14. Ойнасларыңның ҳәммеси сени умытты, Олар сени излемейди. Айыбың аўыр, Гүнаң шексиз болғаны ушын, Сени душпан киби соққыладым, Аяўсыз жазаладым.
15. Неге жарақатың ушын, Шыпасыз дәртиң ушын пәрияд етесең? Қылмысың аўыр, Гүнаң шексиз болғаны ушын, Саған солай иследим.
16. Бирақ сени жалмағанлар, жалманады, Барлық душпанларың, Олардың ҳәр бири сүргин етиледи. Сени талағанлар, таланады, Сени олжа қылғанлардың өзлерин, Мен олжа қыламан.
17. Сени: „Таслап кетилген“, – деп атап, „Сионның ҳеш кимге кереги жоқ“, – деп айтса да, Мен саған шыпа берип, Дәртиңнен жазаман, – дейди Жаратқан Ийе.
18. Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яқыптың шатырының абаданшылығын қайта тиклеймен, Оның турақ жайларына реҳим етемен. Қала қарабақаналары үстине қайта қурылады, Бурынғы орнына сарай салынады.
19. Олардан тәрийиплеў қосықлары, Қуўаныш сеслери еситиледи. Мен оларды көбейтемен, енди азаймайды, Оларды абырайлы қыламан, аяқ асты болмайды.
20. Балалары бурынғыдай өмир сүреди, Жәмийети алдымда беккемленеди. Оларға жәбир көрсеткенлерди жазалайман.
21. Көсеми олардың өзинен болады, Ҳүкимдары олардың арасынан шығады. Мен оны жақынлатаман, Ол Маған жақын болады, Өзинше Маған жақынлаўға ким жүрек етеди? – дейди Жаратқан Ийе. –
22. Сизлер Мениң халқым боласыз, Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан».
23. Мине, Жаратқан Ийениң даўылы, Ғәзепке минип, көтерилди. Күшли қуйын көтерилип, Наҳақлардың басына дөнеди.
24. Жүректеги нийетин әмелге асырмағанша, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби сөнбейди. Ўақты келгенде сизлер буны түсинесиз.

1. «Сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израил тийрелериниң ҳәммесиниң Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады.
2. Жаратқан Ийе былай дейди: Қылыштан аман қалған халық, Шөлде мийрим табады. Мен Израилды тынышландырыўға келемен.
3. Бурынырақта Жаратқан Ийе Израилға көринип, былай деген еди: „Мәңгилик сүйиспеншилик пенен сени сүйип, Саған мийрим көрсетиўди даўам еттим.
4. Сени және аяққа турғызаман, Сен аяққа турасаң, пәк қыз Израил! Және дәплер менен безенип, Кеўил көтергенлер менен аяқ ойынға түсесең.
5. Самария таўларында және жүзимзарлар отырғызасаң, Бағ отырғызғанлар оның мийўесинен дәм татады.
6. Сондай күнлер келеди, Эфрайым таўлы үлкесиндеги гүзетшилер: „Турыңлар, Сионға, Қудайымыздың жанына шығайық“, – деп бақырады“.
7. Жаратқан Ийе былай дейди: Яқып ушын қуўаныш пенен қосық айтың, Миллетлердиң басшысы ушын даўыслап алғыс айтың. Алғыслап былай деңлер: „Жаратқан Ийе, қутқар халқыңды, Израилдан аман қалғанларын“.
8. Мине, Мен оларды арқадағы еллерден, Дүньяның төрт тәрепинен жыйнайман. Олардың арасында соқыр, ақсақ, Ҳәмиледар ҳәм енди босанғанлар да болады. Олар уллы жыйын болып бул жерге қайтады.
9. Олар жылап-сықлап келеди, Алып киятырғанымда жалбарынады. Оларды ағын суўлар бойлап жетелеймен, Сүрникпесин деп, тегис жоллардан алып жүремен. Мен Израилдың әкеси екенмен, Эфрайым да Мениң туңғышым.
10. Ҳәй, миллетлер! Жаратқан Ийениң сөзин тыңлап, Оны узақтағы жағалаўларда жәриялап былай деңлер: „Израилды тарқатып жиберген, оны топлайжақ, Шопанның өз сүриўин қорғағанындай оны қорғайды“.
11. Себеби Жаратқан Ийе Яқыпты азат етип, Оны өзинен күшли болғанның қолынан қутқарады.
12. Олар келип, Сионның бәлент төбесинде, Қуўанып, қосық айтады, Жаратқан Ийе берген берекетке, Бийдай, шарап, зәйтүн майы, Қой сүриўлери ҳәм мал падалары себепли, Жүзлеринен нур жаўады. Олар суўғарылған бағ киби, Енди ҳасла солымайды.
13. Сонда жас қызлар шадланып, аяқ ойынға түседи, Өспирим ҳәм үлкен жастағы еркеклер бирге қуўанады. Мен олардың қайғысын қуўанышқа айландыраман, Ҳәсиретине тәселле берип, қуўаныш бағышлайман.
14. Руўханийлерин сыпатлы азық пенен тойдыраман, Халқым берекетиме тояды, – дейди Жаратқан Ийе.
15. Жаратқан Ийе былай дейди: Рамадан бир даўыс еситилди, Жылаған ҳәм пәрияд қылған даўыслар! Балаларын жоқлап жылар Раҳила, Жубанғысы келмес, Өйткени жоқ енди олар.
16. Жаратқан Ийе былай дейди: Дад салыўды тоқтат, көз жасларыңды сүрт, Шеккен азабыңның есеси төленеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Балаларың душпан журтынан қайтып келеди.
17. Сениң келешегиңнен үмит бар, – дейди Жаратқан Ийе, – Балаларың өз журтына қайтып келеди.
18. Мен Эфрайымның ҳәсиретли даўысын еситтим: „Мен қырсық бир тана сыяқлы едим, Мени тәрбияладың, мен де сабақ алдым. Мени қайта тикле, алдыңа қайтып барайын, Өйткени Қудайым Жаратқан Ийе – Сенсең.
19. Адасқаннан кейин, өкинип тәўбе қылдым, Ақылым киргенде, саныма урып жыладым. Жаслығымда ислеген айып ислерим себепли, Уялып, шерменде болдым“.
20. Эфрайым Мениң әзиз улым емес пе? Ол Мениң сүйикли балам емес пе? Оған аўыр сөз айтқан ўақтымда да, Оны ядымнан шығармай, сүйиспеншилик пенен еслеймен. Қәлбим оны күсейди, Оған сөзсиз реҳим етемен, – дейди Жаратқан Ийе. –
21. Өзиң ушын жол белгилерин қой, Жол көрсететуғын сүтинлер орнат. Жүрген жолыңа дыққат қой. Пәк қыз Израил, изге қайт, Өзиңниң қалаларыңа қайт.
22. Қашанға дейин гезип жүрмекшисең, ҳәй бийопа қыз? Жаратқан Ийе дүньяда бурын болмаған нәрсе жаратты: Ҳаял еркектиң дыққатын тартады.
23. Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы былай дейди: Мен олардың абаданшылығын қайта тиклегенимде, олар Яҳуда жеринде ҳәм оның қалаларында мына сөзлерди айтады: „Жаратқан Ийе сени жарылқасын, Әдиллик мәканы, мухаддес таў!“
24. Дийханлар ҳәм мал изиндеги шопанлар Яҳудада ҳәм оның қалаларында бирге жасайды.
25. Мен шаршағанлардың шөлин қандырып, руўхый түңилгенлерди руўхландыраман.
26. Сонда мен оянып кетип қарасам, ҳәз етип уйықлаған едим.
27. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Израилда ҳәм Яҳудада адамларды ҳәм ҳайўанларды көбейтемен.
28. Бурын Мен оларды қадағалап турған, суўырып таслап, ўайран қылған, аўдарып таслап, жер менен жексен еткен, басларына апат келтирген болсам, енди Мен қурыў ҳәм беккемлеў ушын оларға нәзер саламан, – дейди Жаратқан Ийе.
29. – Сол күнлерде адамлар былай деп айтпайтуғын болады: „Әкелер қышқыл жүзим жейди, Ал балалардың тиси қамасады“.
30. Енди ҳәр бир адам өз айыбы ушын өзи өледи. Ким қышқыл жүзим жесе, соның тиси қамасады».
31. «Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен.
32. Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда дүзген келисимдей болмайды. Мен олардың хожайыны болсам да, олар сол келисимди бузды, – дейди Жаратқан Ийе.
33. Бирақ сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады.
34. Буннан былай ҳеш ким өз достына ямаса өз туўысқанына: „Жаратқан Ийени танып бил“, – деп үйретпейтуғын болады. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин ҳәммеси Мени таныйтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың қылмысларын кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман.
35. Күндиз жақты болсын деп, қуяшты берген, түнде жарық болсын деп, ай ҳәм жулдызларға қағыйда берген, толқынларының шуўылдасыўы ушын теңизди өшегистирген Жаратқан Ийе, аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған былай дейди:
36. Егер бул қағыйдалар Мениң алдымда ҳәрекеттен тоқтаса, – дейди Жаратқан Ийе, – онда Израил нәсили де миллет болыўдан мәңгиге айырылады.
37. Жаратқан Ийе былай дейди: Жоқарыдағы аспанды өлшеўге болмайтуғындай, төмендеги жердиң тийкарын табыў мүмкин болмайтуғындай, ислеген барлық ислери ушын, пүткил Израил нәсилин Мен де тәрк ете алмайман, – дейди Жаратқан Ийе.
38. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Хананел минарасынан Мүйештеги дәрўазаға шекем қала Мен ушын қайта қурылады.
39. Жерди өлшейтуғын жип сол жерден туўры Гареб төбешигине дейин созылып, Гоаға бурылады.
40. Өли денелер ҳәм күллер тасланған пүткил ойпатлық, Кидрон сайына шекемги барлық атызлар, шығыстағы Ат дәрўазасының мүйешине шекемги жерлер Жаратқан Ийе ушын мухаддес болады. Қала енди ҳеш қашан ўайран қылынбайды ҳәм қуламайды».

1. Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының оныншы жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Сол жылы Набуходоносордың патшалығының он сегизинши жылы еди.
2. Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалимди қамал қылып турған, ал пайғамбар Еремия Яҳуда патшасының сарайындағы сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған еди.
3. Яҳуда патшасы Седекия оны қамап қойып, сен не ушын булай пайғамбаршылық еттиң деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасының қолына беремен, ол қаланы басып алады.
4. Яҳуда патшасы Седекия калдейлердиң қолынан қутыла алмайды, ол Бабилония патшасының қолына тапсырылады ҳәм оны өз көзлери менен көрип, оның менен жүзбе-жүз сөйлеседи.
5. Ол Седекияны Бабилонға алып кетеди. Мен Седекияға кеўил аўдармағанымша, ол сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе, – Калдейлерге қарсы гүрессеңиз де, жеңиске ериспейсиз».
6. Еремия былай деп жуўап берди: – Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
7. «Ағаң Шаллумның улы Ханамел келип, саған: „Мениң Анатоттағы атызымды сатып ал. Мениң ең жақын ағайиним болғаның себепли, оны сатып алыўға ҳақың бар ҳәм буған миннетлисең“, – дейди».
8. Соңынан Жаратқан Ийениң айтқанындай, ағамның улы Ханамел сақшылар ҳәўлисине, маған келип: «Бенямин жери аймағындағы Анатоттағы атызымды сатып ал. Оны сатып алып, өз ўазыйпаңды орынла. Оны сатып алса», – деди. Сонда мен бул сөздиң Жаратқан Ийеден түскенин билдим.
9. Кейин мен Анатоттағы атызды ағамның улы Ханамелден сатып алдым. Оған он жети шекел гүмисти өлшеп бердим.
10. Алды-сатты шәртнамасына қол қойып, мөримди бастым ҳәм гүўаларды шақырып, гүмисти өлшеп бердим.
11. Мен нызамқағыйдалары жазылған мөрленген шәртнаманың түп нусқасын ҳәм мөрленбеген бир нусқасын алып,
12. бул алды-сатты шәртнамасын ағамның улы Ханамелдиң, оған қол қойған гүўалардың ҳәм сақшылар ҳәўлисинде мениң менен қамақта отырған барлық яҳудийлердиң көз алдында Махсеяның ақлығы Нерияның улы Барухқа бердим.
13. Олардың көз алдында Барухқа былай деп тапсырма бердим:
14. «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул алды-сатты шәртнамасының мөрленген ҳәм мөрленбеген нусқаларын алып, узақ ўақыт сақланыўы ушын, ылай гүзеге салып қой.
15. Себеби Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул жерде және үйлер, атызлар ҳәм жүзимзарлар сатып алынады».
16. Алды-сатты шәртнамасын Нерия улы Барухқа берип болып, Жаратқан Ийеге дуўа еттим:
17. «О, Қудай Ийе! Уллы қүдиретиң ҳәм созылған қолың менен Сен көклерди ҳәм жерди жараттың. Саған мүмкин емес нәрсениң өзи жоқ.
18. Сен мыңыншы әўладқа шекем мийрим көрсетесең, бирақ әкелериниң айыпларының жазасын балаларына тарттырасаң. Уллы ҳәм күшли Қудай, Сениң атың – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
19. Сениң нийетлериң уллы ҳәм ислериң қүдиретли. Сен адамзаттың жолларының ҳәммесин көрип турасаң, ҳәр бир адамға тутқан жолына, исиниң мийўесине жараса қайтарасаң.
20. Сен Мысырда белгилер ҳәм кәраматлар көрсеттиң. Ҳәзирге дейин буларды Израилда ҳәм адамзат арасында көрсетип, ҳәзирги күнге шекем Өзиңди даңққа бөледиң.
21. Белгилер ҳәм кәраматлар менен, күшли ҳәм созылған қолың менен ҳәм уллы айбатың менен халқың Израилды Мысыр жеринен алып шықтың.
22. Ата-бабаларына беремен деп ант ишкен бул жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди оларға бердиң.
23. Олар келип, сол жерди ийелеп алды. Бирақ Саған қулақ аспады, Сениң Нызамыңа сай жасамады ҳәм Сен буйырған ислерди қылмады. Сонлықтан Сен бул апатлардың ҳәммесин олардың басына жаўдырдың.
24. Қара, душпанлар қаланы қолға киргизиў ушын топырақ үймекте. Қылыш, ашлық ҳәм оба себепли қала өзине ҳүжим қылған калдейлердиң қолына түсти. Көрип турғаныңдай, айтқанларың жүзеге асты.
25. О Қудай Ийе, қала калдейлердиң қолына берилген болса да, Сен маған: Гүўалардың қатнасыўында гүмиске атыз сатып ал, – дедиң».
26. Буннан кейин Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
27. – Мен – пүткил адамзаттың Қудайы Жаратқан Ийемен. Маған мүмкин емес нәрсениң өзи бар ма?
28. Сонлықтан Жаратқан Ийе болған Мен былай деймен: «Мен бул қаланы калдейлерге ҳәм Бабилония патшасы Набуходоносорға беремен. Олар қаланы қолға алады.
29. Бул қалаға ҳүжим қылатуғын калдейлер келип, оған от қояды. Үшеклеринде Баал бутына хош ийисли түтеткилер түтеткен ҳәм басқа қудайларға ишимлик садақаларын қуйып, Мениң қәҳәримди келтирген адамлардың үйлерин толық өртеп жибереди.
30. Израил ҳәм Яҳуда халқы жаслығынан Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи. Аўа, Израил халқы қолларының иси менен бәрқулла Мениң ғәзебимди келтирди, – дейди Жаратқан Ийе.
31. – Бул қала бина болғаннан баслап, бүгинге дейин қала халқы Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан оны дәргайымнан қуўып жиберемен.
32. Израил ҳәм Яҳуда халқы, олардың патшалары, ҳәмелдарлары, руўханийлери, пайғамбарлары, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары – барлығы жаўыз ислер ислеп, Мениң ғәзебимди келтирди.
33. Олар Маған жүзин емес, ал арқасын қаратты. Мен оларға зинҳарлап үйреттим, бирақ олар тыңламады, тәрбиямды алмады, нәсиятымды қабыл етпеди.
34. Мениң атым менен аталатуғын үйге жеркенишли затларын қойып, оны ҳарамлады.
35. Ул ҳәм қызларын Молох бутына арнап отта жағып қурбанлыққа бериў ушын, Баалға арнап Бен-Ҳинном ойпатлығына сыйыныў орынларын қурды. Бундай жеркенишли исти қылып, Яҳуданың гүнаға батыўын Мен буйырмағанман, ҳәтте, бул қыялыма да келмеген».
36. Бирақ сизлер: «Қылыш, ашлық ҳәм иллет себепли Бабилония патшасына бериледи», – деп айтқан бул қала туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
37. «Мен халқымды қәҳәрим, ғәзебим ҳәм ашыўым менен ҳәмме жерге тарқатып жиберген едим, енди оларды жыйнап аламан. Оларды қайтарып бул жерге алып келип, қәўипсизликте жасатаман.
38. Олар Мениң халқым болады, Мен де олардың Қудайы боламан.
39. Олар бәрқулла Меннен қорқып жасайтуғын бир мақсетке бағдарланған жол беремен. Бул олардың өзлери ушын да, өзлеринен кейинги балалары ушын да жақсы болады.
40. Мен олар менен мәңгилик келисим дүземен. Оларға жақсылық қылыўдан қашпайман. Меннен жүз бурып кетпеўи ушын, олардың жүрегине Өзимнен қорқыў сезимин салып қояман.
41. Мен оларға қуўаныш пенен жақсылық қыламан, садықлық пенен шын жүректен ҳәм жан-тәним менен оларды усы жерге орналастыраман».
42. Жаратқан Ийе былай дейди: «Бул халықтың басына уллы апатшылықларды қалай салған болсам, оларға ўәде еткен жақсылықларды да солай жаўдыраман.
43. Сизлердиң: „Калдейлерге берилип, адамсыз ҳәм ҳайўансыз қаңырап қалған жер“, – деп айтып жүрген бул жерде және де атызлар сатып алынады.
44. Бенямин жеринде, Ерусалимниң айланасындағы жерлерде, Яҳуда далаларында, таўлы аймақларда, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Негеб жерлеринде атызлар гүмиске сатып алынып, шәртнамаларға қол қойылып, мөр басылып, гүўалар шақырылады. Себеби Мен олардың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен», – дейди Жаратқан Ийе.

1. Еремия еле сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған ўақытта, оған Жаратқан Ийеден екинши рет сөз түсти:
2. – Исти жобаластырып, оны ислейтуғын ҳәм жүзеге асыратуғын, аты Жаратқан Ийе болған Жаратқан Ийе былай дейди:
3. Мени шақыр, жуўап беремен. Сен билмеген уллы ҳәм жумбақлы сырларды саған айтаман.
4. Қалаға тақап үйилген топырақтан ҳәм қылыштан қорғаныў ушын бузылған бул қаладағы үйлер ҳәм Яҳуда патшаларының сарайлары ҳаққында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
5. Сизлер калдейлер менен урысасыз, бирақ олар үйлериңизди Мениң қәҳәрим ҳәм ғәзебим менен қырып тасланған өли денелерге толтырады. Олардың ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Мен бул қаладан жүзимди жасырдым.
6. Солай болса да, бул қалаға және шыпа берип, оны саўалтаман. Мен Өз халқымды емлеймен. Оларға шексиз абаданшылық ҳәм парахатшылық беремен.
7. Мен Яҳуданың ҳәм Израилдың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларды бурынғыдай қайта бина қыламан.
8. Оларды алдымда ислеген барлық гүналарынан тазалайман ҳәм Маған қарсы бас көтерип, ислеген барлық айыпларын кеширемен.
9. Дүньядағы барлық миллетлер оларға ислеген ҳәмме жақсылықларымды еситеди ҳәм бул қала жер бетиндеги барлық халықлар алдында Маған қуўаныш, алғыс, атақ-абырай ҳәм даңқ алып келеди. Ерусалимге ислеген ҳәмме жақсылықларым ҳәм берген парахатшылығым туўралы еситип, бул миллетлер қорқып титиреседи.
10. Жаратқан Ийе былай дейди: Сизлер: «Бул орын ўайран болып, адамсыз ҳәм ҳайўансыз шөлге айланады», – дедиңиз. Бирақ адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде
11. шадлық ҳәм қуўаныш сеслери, келин ҳәм күйеў сести, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына миннетдаршылық қурбанлықларын алып келгенлердиң былай деген даўыслары еситиледи: «Әлемниң Жаратқан Ийесине шүкирлик билдириң! Ол ийгиликли, садықлығы шексиз». Өйткени Мен бул жердиң бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, – дейди Жаратқан Ийе.
12. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Адамсыз ҳәм ҳайўансыз босап қалған бул жерде, оның барлық қалаларында және шопанлардың өз сүриўлерин бағатуғын жайлаўлары болады.
13. Таўлы үлкедеги қалаларда, батыстағы таў етеклеринде, Негебте, Бенямин жерлеринде, Ерусалим әтирапындағы ҳәм Яҳуда қалаларындағы аймақларда шопанлар және қойларын санайтуғын болады, – дейди Жаратқан Ийе.
14. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Израил ҳәм Яҳуда халқы ҳаққында айтқан қайырлы ўәделеримди орынлайман.
15. Сол күнлерде ҳәм сол ўақытта Мен Даўыттың нәсилинен бир әдил шақаны өсирип шығараман. Ол жер бетинде әдалат ҳәм әдилликти жүзеге асырады.
16. Сол күнлерде Яҳуда қутқарылады, Ерусалим қәўипсизликте жасайды. Оны «Жаратқан Ийе – әдиллик орнатыўшы» деп атайды.
17. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: Даўыттың нәсилинен Израил тахтында отыратуғынлардың изи үзилмейди.
18. Алдымда жандырылатуғын қурбанлықларды беретуғын, ғәлле садақаларын жандыратуғын ҳәм қурбанлық шалатуғын Лебий әўладынан болған руўханийлер ҳеш қашан жоқ болып қалмайды.
19. Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
20. – Жаратқан Ийе былай дейди: Егер ким де ким Мениң күндиз ҳәм түн менен дүзген келисимимди бузып, олардың тәртибин өзгерте алса,
21. онда Мен, қулым Даўыт пенен дүзген келисимимди бузып, Даўыттың нәсилин тахттан түсиремен. Сондай-ақ, Маған хызмет қылып атырған Лебий урпақлары менен де дүзген келисимим бузылған есапланады.
22. Мен қулым Даўыттың урпақларын ҳәм алдымда хызмет ететуғын лебийлилерди аспандағы жулдызлардай, теңиз жағасындағы қумлардай сан-санақсыз етип көбейтемен.
23. Еремияға Жаратқан Ийеден және сөз түсти:
24. – Мына халықтың: «Жаратқан Ийе Өзи таңлап алған еки патшалықтан да ўаз кешти», – деп айтып жүргенин көрмедиң бе? Олар енди Мениң халқымды кемситип, ҳәтте, оны миллет деп атаўға арланып атыр.
25. Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳақыйқаттан да, Мен түн ҳәм күн менен келисим дүздим, көклердиң ҳәм жердиң тәртибин белгилеп бердим.
26. Сондай-ақ Яқыптың ҳәм қулым Даўыттың нәсилинен ҳеш қашан ўаз кешпеймен. Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып нәсили үстинен Даўыттың урпақларынан бирин ҳүкимдар етип қойыўды даўам етемен. Мен халқымның бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен, оларға реҳим қыламан.

1. Бабилония патшасы Набуходоносор өзиниң барлық ләшкерлери, қол астындағы жерлердиң барлық патшалықлары ҳәм халықлары менен бирге Ерусалим ҳәм оның дөгерегиндеги қалаларға қарсы урысып атырған ўақытта, Жаратқан Ийеден Еремияға сөз түсти:
2. – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияға барып айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына тапсыраман. Ол қалаға от қояды.
3. Сен оның қолынан қутыла алмайсаң, сөзсиз тутып алынып, оған тапсырыласаң. Сен Бабилония патшасын өз көзлериң менен көресең, оның менен жүзбе-жүз сөйлесесең. Сен Бабилонға алып кетилесең».
4. Деген менен, Яҳуда патшасы Седекия, Жаратқан Ийениң мына сөзин де тыңла, Сен туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Сен қылыштан қаза таппайсаң,
5. тынышлық пенен көз жумасаң. Саған дейинги болған патшалардың, ата-бабаларыңның ҳүрметине қалай от жағылған болса, сениң ҳүрметиңе де солай от жағылып: Ўай-ўай тақсырым! – деп жоқлаў айтылады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып атырман.
6. Еремия пайғамбар булардың ҳәммесин Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға айтып берди.
7. Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалим менен, Яҳуданың еле тәслим болмаған қалалары Лахиш ҳәм Азеқа менен урысып атырған еди. Яҳуданың қорғанлы қалаларынан тек усылар қалған еди.
8. Седекия патша Ерусалимдеги пүткил халық пенен келисим дүзип, қулларды азат етиўди жәриялағаннан кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
9. Бул келисим бойынша, ҳәр бир адам өзиниң еврей қулын ҳәм шорысын азат етип, ҳеш ким артық өз туўысқаны болған яҳудалыны қуллықта усламаўы тийис еди.
10. Пүткил басшылар ҳәм халық бул келисимге бойсынып, өзлериниң қул ҳәм шорыларын азат етиўге ҳәм оларды артық қуллықта усламаўға ыразы болды ҳәм оларды азатлыққа шығарды.
11. Бирақ кейин пикиринен қайтып, азатлыққа шығарған қулларын ҳәм шорыларын мәжбүрлеп алып келип, оларды және қулға айландырды.
12. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13. – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен атабабаларыңызды Мысырдан, қул болған жеринен алып шыққанымда, олар менен келисим дүзип:
14. «Өзлерин сизлерге қул етип сатып, алты жыл сизлерге хызмет еткен еврей туўысқаныңызды жетинши жылы азатлыққа шығарың», – деген едим. Бирақ ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ аспады.
15. Енди сизлер тәўбе қылып, ҳәр бириңиз өз туўысқаныңыздың азатлығын жәриялап, Мениң нәзеримде туўры болған исти иследиңиз. Мениң атым менен аталған Ибадатханамда, алдымда турып келисим дүздиңиз.
16. Кейин сөзиңизден танып, Мениң атыма иснат келтирдиңиз. Сизлер азат еткеннен кейин, өзлери қәлеген жерге кеткен қул ҳәм шорыларыңызды қайтарып алып келип, қул болыўға мәжбүрледиңиз.
17. Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Маған қулақ салмадыңыз, ҳәр бириңиз туўысқаныңызды ҳәм қоңсыңызды босатып жибермедиңиз. Сол себепли Мен сизлерди қылыш, оба ҳәм ашлыққа қарай босататуғынымды жәриялайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлерди көрген жер жүзиндеги барлық патшалықлар қорқынышқа түседи.
18. Келисим дүзгенде тананы екиге бөлип, оның арасынан өткен едиңиз. Мен келисимимди бузып, алдымда дүзген келисим шәртлерин орынламағанларды сол тана киби екиге бөлемен.
19. Тананың еки бөлеги арасынан өткен Яҳуда ҳәм Ерусалим басшыларын, сарай хызметкерлерин, руўханийлерин ҳәм бул жердиң пүткил халқын
20. душпанларының ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына беремен. Олардың денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
21. Яҳуда патшасы Седекияны ҳәм оның ҳәмелдарларын олардың душпанларына ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына, сизлерден шегинген Бабилония патшасының ләшкерлерине тапсыраман.
22. Мен буйрық берип, – дейди Жаратқан Ийе, – бабилонлыларды бул қалаға қайтып алып келемен. Олар қалаға ҳүжим етип, оны қолға алады ҳәм жағып жибереди ҳәм Мен Яҳуда қалаларын адам жасамайтуғын шөлге айландыраман.

1. Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳояким ҳүкимдарлық қылған дәўирде Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти:
2. – Рехабтың урпақларына барып, олар менен сөйлес. Оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бир бөлмесине алып келип, ишиў ушын шарап бер.
3. Мен Хабассинияның ақлығы Еремияның улы Язанияны, оның туўысқанлары менен балаларын ҳәм Рехабтың урпақларын ертип,
4. Қудайдың адамы болған Игдалия улы Хананның улларының Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бөлмесине алып бардым. Бул бөлме басшылардың бөлмесиниң қапталында, лаўазымлы руўханий Шаллум улы Маасеяның бөлмесиниң жоқарысында еди.
5. Кейин Рехабтың урпақларының алдына шарап толы гүзелер менен кеселерди қойып, оларға: – Шараптан ишиңлер, – дедим.
6. Бирақ олар былай деп жуўап берди: – Бизлер шарап ишпеймиз. Себеби бабамыз Рехаб улы Ионадаб былай деп буйрық берген: «Өзлериң де шарап ишпең, әўладларыңыз да ҳеш қашан шарап ишпесин.
7. Ҳеш қашан үй қурмаң, егин екпең, жүзим отырғызбаң. Булардан ҳеш бири сизлерде болмасын. Өйткени сизлер бәрқулла шатырларда жасаўыңыз тийис. Сонда көшип-қонып жүрген жерлериңизде узақ өмир көресиз».
8. Бизлер бабамыз Рехаб улы Ионадабтың барлық буйрықларын орынлап келемиз. Өзлеримиз де, ҳаялларымыз да, ул-қызларымыз да ҳеш қашан шарап ишпеймиз.
9. Жасаў ушын үйлер қурмадық. Бизлерде жүзимзар да, егислик атыз да, егин де жоқ.
10. Бизлер шатырларда жасаймыз. Бабамыз Ионадабқа қулақ асып, оның буйрықларын орынлап келемиз.
11. Бирақ Бабилония патшасы Набуходоносор бул елге ҳүжим қылғанда, бизлер «арамлылардың ҳәм калдейлердиң ләшкерлеринен қашып, Ерусалимге барамыз» – деп шештик. Сол себепли ҳәзир де Ерусалимде жасап атырмыз.
12. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13. – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Барып, Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына былай деп айт: «Сизлер Мениң сөзлеримди тыңлаўды қашан үйренесиз? – дейди Жаратқан Ийе.
14. – Рехаб улы Ионадаб өз урпақларына шарап ишпеўди буйырды. Олар бабасының буйрығына бойсынып, усы күнге дейин шарап ишпейди. Ал Мен сизлерге қайта-қайта айтсам да, сизлер тыңламадыңыз.
15. Мен қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин алдыңызға жиберип: „Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди өзгертиң. Басқа қудайларға хызмет етиў ушын, оларға ермең. Сонда өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген жеримде жасайсызлар“, – дедим. Бирақ сизлер Мени тыңламадыңыз, Маған қулақ аспадыңыз.
16. Рехаб улы Ионадабтың урпақлары ата-бабаларының өзлерине берген буйрықларын орынлады, ал бул халық болса Мени тыңламады.
17. Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Өзим айтқан бәлелерди Яҳудада ҳәм Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адамның басына жаўдыраман. Себеби Мен оларға айттым, олар тыңламады. Оларды шақырдым, жуўап бермеди».
18. Рехаб урпағына болса, Еремия былай деди: – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер бабаңыз Ионадабтың буйрықларына бойсынып, оларға әмел қылып, өзлериңизге тапсырғанларының ҳәммесин орынладыңыз.
19. Сонлықтан Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Рехаб улы Ионадабтың урпағынан Мениң алдымда хызмет ететуғын адамның изи үзилмейди».

1. Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Орама қағаз алып, Иошияның дәўиринде сениң менен сөйлескен күнимнен баслап, усы күнге шекемги Израил, Яҳуда ҳәм пүткил миллетлер ҳаққында айтқанларымның ҳәммесин жазып қой.
3. Бәлким Яҳуда халқы басларына жаўдырмақшы болған барлық бәле-қадалар ҳаққында еситкенде, жаман жолынан қайтар, Мен де олардың айыпларын ҳәм гүналарын кеширермен.
4. Еремия Нерия улы Барухты шақырды. Барух Еремияның аўзынан Жаратқан Ийениң айтқан сөзлериниң ҳәммесин орама қағазға жазды.
5. Кейин Еремия Барухқа былай деп буйырды: – Маған Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кириў қадаған.
6. Сонлықтан сен барып, мениң аўзымнан жазып алған Жаратқан Ийениң сөзлерин ораза күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасында халыққа даўыслап оқып бер. Оны өз қалаларынан келген пүткил Яҳуда халқына даўыслап оқып бер.
7. Бәлким, олар Жаратқан Ийениң алдында жалбарынар, жаўыз жолларынан қайтар. Себеби Жаратқан Ийениң бул халыққа жәриялаған қәҳәр-ғәзеби уллы.
8. Нерия улы Барух Еремия пайғамбардың тапсырмасын толық орынлады. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барып, орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин оқыды.
9. Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының бесинши жылының тоғызыншы айында Ерусалимнен ҳәм Яҳуда қалаларынан келген барлық халық Жаратқан Ийениң алдында ораза жәриялаған еди.
10. Сонда Барух Жаратқан Ийениң Ибадатханасының Таза дәрўазасы жанындағы жоқарғы ҳәўлиде жайласқан Шафан улы хаткер Гемарияның бөлмесинде турып, орама қағаздан Еремияның сөзлерин пүткил халыққа даўыслап оқып берди.
11. Шафанның ақлығы Гемарияның улы Миха орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин еситкенде,
12. патша сарайындағы хаткерлер бөлмесине барды. Ол жерде барлық басшылар: патша хаткери Элишама, Шемая улы Делая, Ахбор улы Элнатан, Шафан улы Гемария, Ханания улы Седекия ҳәм барлық сарай ҳәмелдарлары отырған еди.
13. Барух орама қағаздан халыққа оқып бергенде еситкен барлық сөзлерин Миха оларға айтып берди.
14. Ҳәмелдарлар: «Халыққа оқып берген орама қағазды алып, кел», – деп айтыў ушын, Кушийдиң шаўлығы Шелемияның ақлығы Натания улы Яҳудийди Барухқа жиберди. Нерия улы Барух орама қағазды алып, оларға келди.
15. Ҳәмелдарлар Барухқа: – Енди отырып, бизлерге де оқып бер, – деди. Барух оларға да оқып берди.
16. Олар бул сөзлерди ақырына дейин тыңлағаннан соң, қорқысып, бир-бирине қарап, Барухқа: – Бизлер патшаны сөзсиз бул сөзлерден хабардар қылыўымыз керек, – деди.
17. Кейин олар Барухтан: – Өтинемиз, бизлерге айт, Еремияның аўзынан шыққан бул сөзлердиң ҳәммесин сен қалай жазып алдың?
18. Барух оларға былай деп жуўап берди: – Ол бул сөзлердиң ҳәммесин маған айтып турды, мен оларды сыя менен орама қағазға жазып алдым.
19. Сонда сарай ҳәмелдарлары Барухқа: – Барып, Еремия екеўиңиз де жасырының. Қай жерде екениңизди ҳеш ким билмесин, – деди.
20. Ҳәмелдарлар орама қағазды хаткер Элишаманың бөлмесинде қалдырып, патша сарайының ҳәўлисине барды ҳәм патшаға ҳәммесин баян қылды.
21. Патша Яҳудийди орама қағазды алып келиўге жиберди. Яҳудий оны хаткер Элишаманың бөлмесинен алып келип, патшаға ҳәм оның жанында турған барлық ҳәмелдарларға оқып берди.
22. Сол ўақытта, тоғызыншы айда патша қысқы сарайындағы от жанып турған ошақтың жанында отырған еди.
23. Яҳудий орама қағаздан үш ямаса төрт бөлекти оқып болыўдан, патша оларды хаткериниң пышағы менен кесип, отқа таслай берди. Ол орама қағаздың ҳәммесин жағып болғанша солай иследи.
24. Бул сөзлерди еситкенде патша да, оның қасындағы хызметкерлердиң ҳеш бири де қорқпады, қайғырып кийимлерин жыртпады.
25. Элнатан, Делая ҳәм Гемария патшадан орама қағазды жағып жибермеўди өтинди, бирақ патша оларды тыңламады.
26. Буның орнына патша шаҳзада Ерахмеелге, Азриел улы Сераяға ҳәм Абдеел улы Шелемияға Еремия пайғамбарды ҳәм хаткер Барухты тутып алып келиўди буйырды. Бирақ Жаратқан Ийе оларды жасырып қойды.
27. Еремияның аўзынан Барух жазып алған сөзлер жазылған орама қағазды патша жағып жибергеннен соң, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
28. – Басқа бир орама қағаз алып, оған биринши орама қағаздағы, Яҳуда патшасы Еҳояким жағып жиберген орама қағаздағы сөзлердиң бәрин жаз.
29. Яҳуда патшасы Еҳоякимге болса, Жаратқан Ийе былай дейди деп айт: «Орама қағазда: „Бабилония патшасы сөзсиз келеди, бул жерди ўайран етип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып таслайды“, – деп жазылғаны ушын Еремияға айбат етип қағазды өртеп тасладың.
30. Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Еҳояким ҳаққында былай дейди: „Оның нәсилинен ҳеш ким Даўыттың тахтына отырмайды, денеси күндиздиң жәзийрама ыссысына, түнниң аязына тасланады.
31. Айыплары ушын оның өзин, урпақларын ҳәм хызметкерлерин жазалайман. Олар туўралы айтқан барлық апатшылықларды олардың өзлериниң, Ерусалим турғынлары менен Яҳуда халқының басына жаўдыраман. Себеби олар Маған қулақ аспады“».
32. Еремия басқа орама қағаз алып, Нерия улы хаткер Барухқа берди. Барух Яҳуда патшасы Еҳояким отқа жаққан орама қағаздағы барлық сөзлерди Еремияның аўзынан жазып алды. Бирақ бул сөзлерге әўелгиге уқсаған көплеген сөзлер қосылған еди.

1. Бабилония патшасы Набуходоносор Ехонияның улы Еҳоякимниң орнына Иошия улы Седекияны Яҳуда елине патша етип қойды.
2. Бирақ патша да, оның ўәзирлери де, үлке халқы да Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмады.
3. Деген менен, патша Седекия Шелемия улы Еҳухал менен Маасея улы руўханий Сефанияны: «Өтинемен, бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет», – деп айтыў ушын Еремияға жиберди.
4. Еремия сол ўақытта халық арасында бийғам жасап атырған болып, еле зинданға тасланбаған еди.
5. Сол арада фараонның ләшкерлери Мысырдан шықты. Ерусалимди қамал қылып турған калдейлер бул хабарды еситкенде, Ерусалимнен шегинди.
6. Сонда Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
7. – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Меннен сораў ушын сизлерди Маған жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: «Сизлерге жәрдемге киятырған фараонның ләшкерлери өз елине, Мысырға қайтып кетеди.
8. Ал калдейлер қайтып келип ҳүжим етеди, қаланы қолға алып, өртеп жибереди.
9. Жаратқан Ийе былай дейди: „Калдейлер сөзсиз бизлерден шегинеди“, – деп өзлериңизди алдамаңлар. Олар шегинбейди.
10. Егер сизлер өзлериңизге қарсы урысқа шыққан калдейлердиң пүткил ләшкерлерин қырып тасласаңыз да, оларда тек жарадарлар қалған болса да, олар шатырларынан шығып келип, бул қаланы өртеген болар еди».
11. Фараонның ләшкерлери себепли, калдейлердиң ләшкерлери артқа шегинген ўақытта,
12. Еремия Бенямин жерине барып, халық арасындағы өзиниң пайына түскен жер үлесин алыў ушын Ерусалимнен кетпекши болды.
13. Ол Бенямин дәрўазасына жеткенде, гүзетшилер баслығы Хананияның ақлығы Шелемия улы Ирия Еремияны услап алып: – Сен не, калдейлерге қашып кетпекшимисең? – деди.
14. Еремия оған: – Жалған, мен калдейлерге қашып кетпекши емеспен, – деди. Бирақ Ирия оны тыңламады ҳәм Еремияны услап, ўәзирлердиң алдына алып келди.
15. Ўәзирлер Еремияға ашыўланып, оны сабады, кейин хаткер Ионатанның үйине қурылған зинданға таслады.
16. Еремия зинданға тасланып, ол жерде көп күнлерди өткерди.
17. Бир күни патша Седекия адам жоллап, Еремияны сарайына алдырды. Патша өз сарайында жасырын түрде оннан: – Жаратқан Ийеден қандай да бир сөз бар ма? – деп сорады. Еремия оған: – Бар, сиз Бабилония патшасының қолына түсесиз, – деп жуўап берди.
18. Кейин Еремия Седекия патшаға былай деди: – Мени зинданға таслағандай, мен сизге, хызметкерлериңизге яки бул халыққа не қылдым?
19. «Бабилония патшасы сизге, бул халыққа ҳүжим қылмайды», – деп пайғамбаршылық еткен пайғамбарларыңыз қаяқта?
20. Енди мени тыңлаң, тақсырым, өтиниш қылыўға рухсат бериң. Мени хаткер Ионатанның үйине қайтарып жибермең, болмаса, мен сол жерде өлип кетемен.
21. Патша Седекия Еремияны сақшылар ҳәўлисине қамап қойыўды ҳәм қалада нан пүткиллей таўысылғанша, ҳәр күни оған нанбайханадан бир шөрек алып берип турыўды буйырды. Солай етип, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.

1. Маттан улы Шефатия, Пашхур улы Гедалия, Шелемия улы Юхал ҳәм Малкия улы Пашхур Еремияның пүткил халыққа айтқан мына сөзлерин еситти:
2. «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қалада қалған адам қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өледи, ал калдейлер тәрепке өткен адам тири қалады, жанын қутқарып аман қалады.
3. Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қала әлбетте Бабилония патшасының ләшкерлериниң қолына бериледи, ол қаланы басып алады».
4. Сонда сарай ҳәмелдарлары патшаға: – Бул адам өлтирилсин. Ол бул сөзлерди айтып, бул қалада қалған әскерлеримиздиң ҳәм пүткил халықтың руўхын түсирмекте. Бул адам халыққа жақсылық емес, ал жаманлық тилейди, – деди.
5. Патша Седекия оларға: – Мине, ол сизлердиң қолыңызда, мен сизлерге қарсылық көрсетпеймен, – деди.
6. Олар Еремияны услап алып, патшаның улы Малкияның сақшылар ҳәўлисиндеги суў сақлағышқа арқан менен түсирди. Суў сақлағыш суўсыз болып, онда тек ылай бар еди. Еремия балшыққа батып қалды.
7. Патшаның сарай хызметкерлеринен бири, хабашстанлы Эбед-Мелех Еремияның суў сақлағышқа тасланғанын еситти. Сол ўақытта патша Бенямин дәрўазасы алдында отырған еди.
8. Эбед-Мелех патша сарайынан шықты да, патшаға барып:
9. – Тақсыр, Еремияны суў сақлағышқа таслап, бул адамлар жаман ис қылыпты. Қалада нан қалмады, Еремия ол жерде аштан өледи, – деди.
10. Патша хабашстанлы Эбед-Мелехке: – Қасыңа отыз адам ал да, өлип қалмасынан бурын, Еремия пайғамбарды суў сақлағыштан шығарып ал, – деп буйырды.
11. Эбед-Мелех қасына адамларды алып, патша ғәзийнеханасының астындағы бөлмеге кирди ҳәм ол жерден гөне-көкси шүбереклер менен гөне-көкси кийимлерди таўып алып, оларды арқанға байлап, суў сақлағыштағы Еремияға түсирди.
12. Кейин Еремияға: – Арқан денеңе батпаўы ушын, мына гөне-көкси шүбереклер менен кийимлерди қолтығыңның астына қой, – деди. Еремия солай иследи.
13. Олар Еремияны арқанлар жәрдеминде суў сақлағыштан шығарып алды. Буннан кейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
14. Патша Седекия адам жиберип, Еремия пайғамбарды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының үшинши есигиниң алдына алып келтирди. Патша Еремияға: – Мен сеннен бир нәрсе сорайжақпан, меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди.
15. Еремия Седекияға: – Егер ырасын айтсам, мени өлтирмес пе едиңиз? Мәсләҳәт бергеним менен мени тыңламайсыз, – деди.
16. Бирақ патша Седекия жасырын түрде ант ишип, Еремияға: – Бизге жан берген тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сени өлтирмеймен ҳәм жаныңа қаслық қылмақшы болғанлардың қолына тапсырмайман, – деди.
17. Соннан кейин, Еремия Седекияға былай деди: – Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болсаң, жаның тири қалады, бул қала да өртеп жиберилмейди, өзиң де, үй-ишиң де аман қаласыз.
18. Бирақ егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болмасаң, бул қала калдейлердиң қолына бериледи, олар қаланы өртеп жибереди, өзиң де олардың қолынан қашып қутыла алмайсаң».
19. Патша Седекия Еремияға: – Мен калдейлер тәрепке өткен яҳудийлерден қорқаман. Калдейлер мени олардың қолына тапсырса, олар мени хорлайды, – деди.
20. Еремия патшаға былай деди: – Яқ, оларға тапсырмайды. Айтқанларымды ислеп, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салсаңыз, тири қалып, абадан турмысқа ерисесиз.
21. Егер тәслим болыўдан бас тартсаңыз, Жаратқан Ийе маған мынаны аян етти:
22. Мине, Яҳуда патшасының сарайында қалған барлық ҳаяллар Бабилония патшасының әскербасысына алып келинеди. Сол ҳаяллар сизге былай дейди: «Исенген досларыңыз, Сизди алдап, жеңип кетти, Батпаққа батты аяқларыңыз, Олар сизди таслап кетти».
23. Сизиң барлық ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз калдейлерге бериледи. Сиз де олардың қолынан қашып қутыла алмайсыз, Бабилония патшасының қолына түсесиз. Бул қала болса, өртеп жибериледи.
24. Кейин Седекия Еремияға былай деди: – Сөйлескенимиз туўралы ҳеш ким билмесин, болмаса өлесең.
25. Егер ҳәмелдарлар мениң сениң менен сөйлескенимди еситип, саған келип: «Патша менен нелер туўралы сөйлескениңди жасырмай айт, болмаса өлесең», – десе,
26. сен оларға: «Мени Ионатанның үйине қайтарып жиберме, болмаса, мен ол жерде өлип қаламан, деп патшаға жалбарындым деп айт», – деди.
27. Барлық ҳәмелдарлар келип, Еремияны сораўға тутты. Ол да патша буйырғанындай етип жуўап берди. Патшаға айтылғанлардан ҳеш кимниң хабары болмағанлықтан, олар үндемей қайтып кетти.
28. Ерусалим қолға алынған күнге дейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.

1. Яҳуда патшасы Седекияның ҳүкимдарлығының тоғызыншы жылының оныншы айында Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил ордасы менен Ерусалимге жүрис қылып, оны қамалға алды.
2. Седекияның патшалығының он биринши жылының оныншы айының тоғызыншы күни дийўал бузылды.
3. Ерусалим қолға алынғанда, Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары ишке кирип, Ортадағы дәрўазада отырды. Олар: Нергал-Шаресер, Самгар-Небо, әскерий ўәкил Сарсехим, бас мәсләҳәтши НергалШаресер ҳәм патшаның барлық ҳәмелдарлары еди.
4. Яҳуда патшасы Седекия ҳәм оның барлық әскерлери оларды көргенде, түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5. Бирақ калдей ләшкерлери оларды қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетти ҳәм Седекияны услап, тутқынға алды да, Хамат үлкесиниң Рибла қаласындағы Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
6. Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ақсүйеклерин де баўызлатты.
7. Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, Бабилонға алып кетиў ушын оны қола шынжыр менен байлатты.
8. Калдейлер патшаның сарайын, халықтың үйлерин өртеп, Ерусалим дийўалларын қулатты.
9. Қалада аман қалған адамларды ҳәм Бабилония патшасы тәрепке өткен қашқынларды қалған халық пенен бирге сақшылар баслығы Набузарадан Бабилонға тутқын қылып алып кетти.
10. Бирақ Набузарадан ҳеш нәрсесиз жүдә жарлы бийшараларды Яҳуда жеринде қалдырып, сол ўақытта оларға жүзимзарлар ҳәм атызлар берди.
11. Бабилония патшасы Набуходоносор сақшылар баслығы Набузараданға Еремия туўралы мынадай буйрық берди:
12. «Оны услап алып, көзқулақ бол. Оған ҳеш қандай зыян келтирме, не сораса, соны исле».
13. Патша сақшыларының баслығы Набузарадан, әскерий ўәкил Набушазбан, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары
14. адам жоллап, Еремияны сақшылар ҳәўлисинен алдыртты. Олар Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияға Еремияны үйине алып кетиўди тапсырды. Солай етип, Еремия өз халқы арасында қалды.
15. Қараўыллар ҳәўлисинде қамақта болған ўақтында, Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түскен еди:
16. – Барып, хабашстанлы Эбед-Мелехке айт, Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен бул қала туўралы айтқан сөзлеримди жақсылық пенен емес, ал жаманлық пенен жүзеге асыраман. Булар сениң көз алдыңда әмелге асады.
17. Бирақ сол күни Мен сени қутқараман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сен өзиң қорқып жүрген адамларыңның қолына түспейсең.
18. Мен сени қутқараман. Сен қылыштан қаза таппайсаң, Маған үмит артқаның ушын, жаның өзиңе олжа болады, – дейди Жаратқан Ийе».

1. Бабилонияға сүргин етилген пүткил Ерусалим ҳәм Яҳуда тутқынлары менен бирге Еремия да шынжыр менен байланып, Рамаға алып барылды. Ол жерде сақшылар баслығы Набузарадан Еремияны таўып, оны босатты. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2. Сақшылар баслығы Еремияны қасына шақырып алып, оған былай деди: – Қудайың Жаратқан Ийе бул елге апатшылық жаўдыражағын айтқан екен.
3. Мине, оны жаўдырып, айтқанындай қылды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегениңиз ҳәм Оған қулақ салмағаныңыз себепли болып отыр.
4. Бүгин мен сени қолыңдағы шынжырлардан азат етемен. Егер мениң менен Бабилонға кетиўди қәлесең, жүр, мен саған көзқулақ боламан. Егер кетиўди қәлемесең, онда қал. Мине, пүткил ел алдыңда жатыр! Қай жаққа кетиўди қәлесең, яки қай жаққа кетиўди нәзериңде туўры деп тапсаң, сол жерге кете бер.
5. Еремия жуўап берип үлгермей-ақ, Набузарадан сөзин даўам етти: – Бабилония патшасы тәрепинен Яҳуда қалаларына ҳәким етип қойылған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның жанына бар. Оның менен бирге халық арасында жасай бер. Ямаса қай жаққа кетиўди қәлесең, сол жаққа кет. Сақшылар баслығы оған азық-аўқат ҳәм саўғалар берип, босатып жиберди.
6. Еремия Миспадағы Ахиқамның улы Гедалияның жанына кетти. Миспаға барып, оның менен бирге елде қалған халықтың арасында жасад.
7. Далаларда бой тасалап қалған барлық әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Ахиқам улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын ҳәм сүргинге алып кетилмеген жарлы еркеклерди, ҳаялларды ҳәм балаларды оған тапсырғанын еситти.
8. Сонда Натания улы Исмайыл, Қареах уллары Юханан менен Ионатан, нетофалы Танхумет улы Серая, нетофалы Эфай уллары, маахалы Езания ҳәм олардың әскерлери Миспаға Гедалияға келди.
9. Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалия оларға ҳәм олардың әскерлерине ант ишип, былай деди: – Калдейлерге хызмет етиўден қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң, сонда абадан турмысқа ерисесиз.
10. Мен бул жерге келетуғын калдейлерге ўәкиллик қылыў ушын Миспада жасап қаламан. Сизлер шарап, жазғы мийўелер ҳәм зәйтүн майын жыйнап, сақлап қойыңлар да, өзлериңиз орналасып алған қалаларда жасай бериңлер.
11. Моабта, аммонлардың арасында, Эдомда ҳәм басқа еллерде жасап атырған яҳудийлердиң ҳәммеси Бабилония патшасы Яҳудада бир топар адамларды қалдырғанын, оларға Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын еситти.
12. Олардың ҳәммеси сүргин қылынған жерлердиң бәринен Яҳуда жерине, Миспаға, Гедалияның алдына қайтып келди. Олар сол жерде көп мийўе жыйнап, мол шарап таярлады.
13. Қареах улы Юханан менен шөл даладағы әскербасылар Миспадағы Гедалияға келип,
14. оған: – Аммонлардың патшасы Баалистиң сизди өлтириў ушын Нетания улы Исмайылды жибергенинен хабарыңыз бар ма? – деди. Бирақ Ахиқам улы Гедалия буған исенбеди.
15. Кейин Қареах улы Юханан Миспада жасырын түрде Гедалияға: – Келиң, мен барып, Нетания улы Исмайылды өлтирейин, буны ҳеш ким билмейди. Не ушын сизди өлтириўине, жаныңызға жыйналғанлардың тарқап кетиўине ҳәм Яҳудада қалғанлардың набыт болыўына жол қойыўымыз керек? – деди.
16. Бирақ Ахиқам улы Гедалия Қареах улы Юхананға: – Булай ислеме, сен Исмайыл туўралы жалған айтып турсаң, – деди.

1. Жетинши айда патша әўладынан ҳәм патшаның ўәзирлеринен бири болған Элишаманың ақлығы Нетания улы Исмайыл он адамы менен Миспадағы Ахиқам улы Гедалияға келди. Олар Миспада бирге ишип-жеп отырғанда,
2. Нетания улы Исмайыл менен оның жанындағы он адам орынларынан турды да, Бабилония патшасы сол елге ҳәким қылып қойған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияны қылыш пенен шаўып таслады.
3. Исмайыл Миспада Гедалия менен бирге болған барлық яҳудийлерди де, ол жердеги калдей әскерлерин де өлтирди.
4. Ертеңине Гедалияның өлтирилгени ҳаққында ҳеш ким билмей турып,
5. Шехемнен, Шилодан ҳәм Самариядан сексен адам келди. Олар қайғыдан сақалларын қырққан, кийимлерин жыртқан, денелерин тилген болып, қолларында Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып киятырған ғәлле садақасы менен хош ийисли түтеткиси бар еди.
6. Оларды күтип алыў ушын Миспадан Нетания улы Исмайыл жолға шықты. Ол жылап ушырасып, оларға: – Ахиқам улы Гедалияға барыңлар, – деди.
7. Енди қала ортасына келгенде, Нетания улы Исмайыл ҳәм оның жанындағы адамлар оларды өлтирип, суў сақлағышқа таслады.
8. Бирақ олардың арасынан он адам Исмайылға: – Бизлерди өлтирме, бизлердиң атызда жасырып қойған бийдайымыз, арпамыз, майымыз ҳәм палымыз бар, – деди. Сонда ол өзин тутып, оларды қасындағылары менен бирге өлтирмей, аман қалдырды.
9. Исмайыл Гедалияға тийисли өлилердиң денелерин таслаған суў сақлағыш жүдә үлкен болып, оны патша Аса Израил патшасы Баашадан қорғаныў ушын қаздырған еди. Натания улы Исмайыл оны өли денеге толтырды.
10. Исмайыл Миспадағы қалған пүткил халықты – патшаның қызларын ҳәм сақшылар баслығы Набузарадан Ахиқам улы Гедалияның ықтыярына тапсырған Миспада қалған пүткил халықты тутқынға алды. Нетания улы Исмайыл оларды айдап, аммонлар тәрепке өтиў ушын жолға түсти.
11. Бирақ Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы пүткил әскербасылар Нетания улы Исмайыл ислеген жынаятлары ҳаққында еситкенде,
12. адамларының ҳәммесин алып, Нетания улы Исмайыл менен урысыў ушын жолға шықты. Олар Гибондағы мол суўлы ҳәўиз жанында Исмайылдың изинен жетти.
13. Исмайылдың қасындағы пүткил халық Қареах улы Юхананды ҳәм оның қасындағы әскербасыларды көргенде, қуўанып кетти.
14. Исмайыл Миспада тутқынға алған адамлардың ҳәммеси изге, Қареах улы Юхананға қарай жуўырды.
15. Бирақ Нетания улы Исмайыл сегиз адамы менен Юхананнан қутылып, аммонларға қашып кетти.
16. Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы барлық әскербасылар аман қалғанлардың ҳәммесин Ахиқам улы Гедалияны өлтирген Нетания улы Исмайылдан қутқарып, ҳәм Гибоннан изге қайтарып алып келген әскерлерди, ҳаялларды, балаларды, сарай хызметкерлерин Миспадан алып шықты.
17. Олар жол жүрип, Мысырға өтиў ушын, Бейтлеҳем жақынындағы Герут-Кимҳамда тоқтады.
18. Бабилония патшасы ел үстинен ҳәким қылып қойған Ахиқам улы Гедалияны Нетания улы Исмайыл өлтиргени себепли, олар калдейлерден қорқты.

1. Кейин барлық әскербасылар, Қареах улы Юханан, Ҳошая улы Езания ҳәм үлкен-киши пүткил халық Еремия пайғамбарға келип,
2. оған былай деди: – Өтинишимизди қабыл етип, бизлер ушын, мына аман қалғанлар ушын Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа ет. Көрип турғаныңдай, көптен аз қалдық.
3. Қай жерге барып, не ислейтуғынымызды Қудайың Жаратқан Ийе бизге көрсетсин.
4. Еремия пайғамбар оларға: – Яқшы, айтқаныңыздай, мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етемен ҳәм Жаратқан Ийе не деп жуўап берсе де, оны сизлерге аян қыламан. Сизлерден ҳеш нәрсени жасырмайман, – деди.
5. Олар Еремияға және былай деди: – Егер Қудайың Жаратқан Ийе бизге билдириў ушын саған аян еткен ҳәр бир сөзге әмел қылмасақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы ҳақыйқый ҳәм садық гүўа болсын.
6. Жақсы болса да, жаман болса да, бизлер сени жанына жиберип атырған Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ асамыз. Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ ассақ, абадан турмысқа ерисемиз.
7. Он күннен кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 8Еремия Қареах улы Юхананды, оның менен бирге әскербасыларды ҳәм үлкен-киши пүткил халықты шақырып,
8. оларға былай деди: – Өтинишиңизди билдириў ушын мени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң дәргайына жиберген едиңиз. Ол былай дейди:
9. «Егер усы жерде қалсаңыз, Мен сизлерди қайта тиклеймен, қулатпайман, отырғызаман, қопарып тасламайман. Себеби Мен Өзим басыңызға салған апатшылық себепли өкинип атырман.
10. Өзлериңиз қорқып атырған Бабилония патшасынан енди қорқпаң. Оннан қорқпаң, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен сизлер менен бирге боламан. Сизлерди оның қолынан қутқараман ҳәм азат етемен.
11. Мен сизлерге реҳим қыламан, сонда оның сизлерге жаны ашып, сизлерди өз жериңизге қайтарады».
12. Мен сизлерге реҳим қыламан, сонда оның сизлерге жаны ашып, сизлерди өз жериңизге қайтарады».
13. Егер сизлер: «Бул жерде қалыўды қәлемеймиз», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмасаңыз,
14. және: «Яқ, бизлер Мысырға кетемиз. Ол жерде урыс та көрмеймиз, оны хабарлаған кәрнай сестин де еситпеймиз, нанға зар болмаймыз, сол жерде жасаймыз», – десеңиз,
15. онда Яҳуданың аман қалғанлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер сизлер Мысырға барыўға қарар етип, сол жерге барып жасасаңыз,
16. сизлер қорққан қылыш ол жерде изиңизден жетеди, сизлер қорққан ашлық Мысырда жағаңызға жабысады ҳәм сизлер сол жерде өлесиз.
17. Мысырға барып жасаўды қарар қылған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өледи. Мен басыңызға жаўдыратуғын апатшылықтан ҳеш ким тири қалмайды, ҳеш ким қашып та қутыла алмайды».
18. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ерусалим турғынларына қәҳәр-ғәзебим төгилгениндей, Мысырға киргениңизде, сизлерге де ғәзебим төгиледи. Сизлер ғарғысқа қалып, қорқынышлы көриниске айланасыз, нәлетленип, масқара боласыз. Бул жерди қайтып көрмейсиз».
19. Ҳәй, Яҳуданың аман қалғанлары! Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға кетпеўди буйырды. Билип қойың, бүгин мен сизлерге ескертип атырман.
20. Мени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң дәргайына жиберип: «Бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет. Оның айтқанларының ҳәммесин бизлерге билдир, бизлер де оған әмел қыламыз», – дегениңизде, үлкен қәтеге жол қойдыңыз.
21. Мен бүгин сизлерге буны билдирдим, бирақ сизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң мен арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмадыңыз.
22. Енди жақсылап билип қойың, барып жасамақшы болған жериңизде қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өлесиз.

1. Еремия пүткил халыққа өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң сөзлерин, өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң өзин жиберип айттырған сөзлерин толық айтып болғанда,
2. Ҳошая улы Азария, Қареах улы Юханан ҳәм сурбет адамлардың ҳәммеси Еремияға былай деди: – Сен жалған айтып турсаң. Қудайымыз Жаратқан Ийе сени бизлерге: «Мысырға барып жасамаң», – деп айтыў ушын жиберген жоқ.
3. Калдейлер бизлерди өлтирсин ямаса Бабилонияға тутқын етип алып кетсин деп, бизлерди олардың қолына тапсырыў ушын Нерия улы Барух сени бизлерге қарсы ийтермелемекте.
4. Солай етип, Қареах улы Юханан, әскербасылар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Яҳудада қалыў туўралы айтқан буйрығына қулақ аспады.
5. Яҳудада жасаў ушын тарап кеткен жерлеринен қайтып келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳәммесин Қареах улы Юханан ҳәм әскербасылар ертип кетти.
6. Булардан тысқары, олар бабилонлы сақшылар баслығы Набузараданның Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның қасында қалдырып кеткен адамларының ҳәммесин: еркек ҳәм ҳаялларды, балаларды, патшаның қызларын, Еремия пайғамбарды ҳәм Нерия улы Барухты өзлери менен алып кетти.
7. Олар Жаратқан Ийеге қулақ аспай, Мысыр жерине кетип, Тахпанхеске жетип келди.
8. Тахпанхесте Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9. – Қолыңа үлкен тасларды алып, оларды Тахпанхестеги фараонның сарайының кирер аўзындағы гербишлер арасына көм. Буны яҳудийлердиң көз алдында исле.
10. Кейин оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Мен Бабилония патшасы қулым Набуходоносорды бул жерге алып келип, оның тахтын мына көмилген таслар үстине орнатаман. Набуходоносор патшалық шатырын усы таслардың үстине тигеди.
11. Ол келип, Мысырды ўайран қылады. Тәғдирине өлим жазылған өледи, тәғдирине сүргин жазылған сүргинге кетеди, тәғдирине қылыш жазылған қылыш пенен шабылады.
12. Бабилония патшасы Мысыр қудайларының бутханаларына от қояды, бутларды жандырады, базыларын өзи менен алып кетеди. Шопан тонын бүргеден тазалағандай, Мысырды да солай тазалайды. Кейин ол жерден аман-есен шығып кетеди.
13. Ол Мысыр жериндеги Қуяш қудайының бутханасындағы Қуяш қудайына арнап қойылған кийели тасларды бузып, Мысыр қудайларының барлық бутханаларын өртеп жибереди».

1. Мысырдың Мигдол, Тахпанхес, Ноф қалаларында ҳәм Патрус ўәлаятында жасаған барлық яҳудалылар ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер Ерусалим ҳәм Яҳуданың барлық қалаларына Мен жаўдырған апатшылықлардың ҳәммесин көрдиңлер. Мине, ҳәзир олар босап қалған, оларда ҳеш ким жасамайды.
3. Олар өзлери де, сизлер де, сизлердиң ата-бабаларыңыз да билмеген басқа қудайларға арнап түтетки түтетип, хызмет етип, өзлериниң жаўыз ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди.
4. Мен сизлерге қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин қайта-қайта жиберип: „Мен жек көретуғын бул жеркенишли ислерди ислемең“, – деп айттырдым.
5. Бирақ олар тыңламады, қулақ аспады. Жаўыз ислеринен қайтпады, басқа қудайларға арнап түтетки түтетиўин даўам ете берди.
6. Сонда қәҳәрим ҳәм ғәзебим төгилип, Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде лаўлап жанды. Ҳәзир көрип турғаныңыздай, олар қарабақанаға ҳәм шөлге айланды.
7. Енди Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Не ушын бул аўыр нәрселерди басыңызға түсирмекшисиз? Яҳудадан келген еркек, ҳаял, бала ҳәм бөпелердиң басына жетип, өзиңизден кейин туқым қалмаў ушын ба?
8. Не ушын өзиңиз жасаў ушын келген Мысыр жеринде басқа қудайларға түтетки түтетип, қолдан ислеген бутларыңыз бенен Мени ғәзеплендирип атырсыз? Өзиңизди қуртып, жер бетиндеги барлық халықлардың ғарғысына қалып, күлки болыў ушын ба?
9. Яҳуда жеринде, Ерусалим көшелеринде ата-бабаларыңыздың, Яҳуда патшаларының, олардың ҳаялларының, өзлериңиздиң ҳәм ҳаялларыңыздың ислеген жаман ислерин умыттыңыз ба?
10. Олар бул күнге дейин тәўбе қылмады, қорқпады, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген Нызамым ҳәм қағыйдаларым бойынша жасамады.
11. Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен үстиңизге апатшылық жаўдырып, Яҳуда халқын пүткиллей жоқ қылыўға қарар еттим.
12. Мысырға барып, сол жерде жасап қалыўға бет бурған яҳудийлердиң аман қалғанларын қолға аламан, ҳәммеси Мысыр жеринде қулап, жоқ қылынады, қылыштан ҳәм ашлықтан өлип кетеди. Кишкенесинен үлкенине дейин қылыштан ҳәм ашлықтан өледи. Олар ғарғысқа қалып, қорқынышлы көриниске айланады, масқара ҳәм мазаққа ушырайды.
13. Ерусалимди жазалағанымдай, Мысыр жеринде жасап атырғанларды да қылыш, ашлық ҳәм оба менен жазалайман.
14. Жасаў ушын Мысырға келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳеш бири қутылып, тири қалып, Яҳудаға қайта алмайды. Ол жерге қайтып барып жасаўды жан-тәни менен қәлесе де, бир-еки қашқыннан басқа ҳеш ким қайтып бара алмайды».
15. Ҳаялларының басқа қудайларға түтетки түтеткенин билген барлық еркеклер, сол жерде турған барлық ҳаяллар, үлкен жәмәәт – Мысырдың Патрус ўәлаятында жасап атырған пүткил халық Еремияға былай деди:
16. – Бизлер сениң Жаратқан Ийениң атынан айтқан сөзлериңе қулақ салмаймыз.
17. Бизлер ҳәммесин өзимиз берген антқа сай ислеймиз: Аспан ханшасына түтетки түтетемиз, оған арнап ишимлик садақасын қуямыз. Бизлер өзлеримиз, ата-бабаларымыз, патшаларымыз ҳәм ҳәмелдарларымыз Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде нелер қылған болсақ, соны қыламыз. Сол ўақытта тойып жеп, абадан турмыс кеширип, жаманлық көрмеген едик.
18. Бирақ Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған арнап ишимлик садақаларын қуйыўды тоқтатқанымыздан бери, басымыз жетиспеўшиликтен басымыз шықпайды, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып атырмыз.
19. Ҳаяллар да былай деди: – Бизлердиң Аспан ханшасына түтетки түтетип, ишимлик садақасын усынғанымыздан, оның көринисинде, оған арнап шөреклер жапқанымыздан күйеўлеримиздиң хабары жоқ деп ойлайсыз ба?
20. Сонда Еремия пүткил халыққа, оған жуўап берген еркеклер менен ҳаялларға былай деди:
21. – Сизлер өзлериңиз, ата-бабаларыңыз, патшаларыңыз, ҳәмелдарларыңыз, үлке халқы Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде түтетки түтеткениңизди Жаратқан Ийе умытып кетти дейсиз бе? Ямаса бул Оның жүрегине жетип бармады деп ойлайсыз ба?
22. Жаратқан Ийе ислеген жаман ҳәм жеркенишли ислериңизге артық тақат қыла алмағаны себепли, ҳәзир елиңиз ўайран болып, шөлге айланды, ғарғысқа ушырап адамсыз қаңырап қалды.
23. Бутларға арнап түтетки түтетип, Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследиңиз. Оның даўысына қулақ салмадыңыз, Оның Нызамына, қағыйдаларына ҳәм шәртлерине сай жасамадыңыз. Сонлықтан бүгин көрип турған апатшылық басыңызға түсти.
24. Еремия пүткил халыққа ҳәм ҳаялларға және былай деди: – Мысыр жериндеги яҳудийлердиң ҳәммеси, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
25. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер ҳаялларыңыз бенен бирге: „Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған ишимлик садақасын қуямыз“, – деп ишкен антларымызды сөзсиз орынлаймыз деп, аўзыңыз бенен айтып, қолыңыз бенен иследиңиз. Яқшы, айтқаныңызды қылың, ишкен антларыңызды орынлаң!»
26. Енди Мысыр жеринде жасап атырған пүткил яҳудийлер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң: «Мен Өзимниң уллы атым ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – пүткил Мысыр бойлап жасап атырған яҳудийлердиң ҳеш бири буннан былай Мениң атымды тилге алмайды, „Қудай Ийе ҳақы“ деп ант ишпейди.
27. Мен жақсылық емес, ал жаманлық келтириў ушын оларды қадағалап тураман. Мысырдағы яҳудийлердиң бирде биреўи қалмағанша, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып барады.
28. Қылыштан аман қалған жүдә аз санлы яҳудийлер Мысырдан Яҳуда жерине қайтып барады. Сонда Мысырда жасаў ушын келгенлерден аман қалғанлар кимниң сөзиниң жүзеге асатуғынын, яғный Мениң сөзим бе ямаса олардики ме, буны билип алады.
29. Мениң сизлерди усы жерде жазалаўым, сизлер ушын нышан болады, – дейди Жаратқан Ийе. Сонда Мениң сизлерге айтқан сөзимниң орынланатуғынын билип аласыз.
30. Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияны оның жанында қасты болған душпаны Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына бергеним сыяқлы, Мысыр патшасы фараон Хофраны да оның жанында қасты болған душпанларының қолына беремен».

1. Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Нерия улы Барух Еремияның аўзынан мына сөзлерди китапқа жазып отырғанда, Еремия пайғамбардың Барухқа айтқан сөзи:
2. – Барух, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе саған былай дейди:
3. «Сен: „Сорым қурысын! Өйткени Жаратқан Ийе дәртиме қайғыҳәсирет қосты, ыңқылдай берип шаршадым, ҳеш тынышлық таппай атырман“, – дейсең.
4. Жаратқан Ийе маған Барухқа былай деп айт деди: „Мына пүткил жер жүзинде қурғанымды қырып таслайман, еккенимди суўырып таслайман.
5. Сен өзиң ушын уллы нәрселерди излейсең бе? Излеме, себеби Мен пүткил адамзаттың басына апатшылық жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Ал саған ҳәмме жерде, қаяққа барсаң да жаныңды олжа қыламан“».

1. Еремия пайғамбарға миллетлер ҳаққында Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2. Мысыр туўралы хабар: Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Бабилония патшасы Набуходоносор Евфрат дәрьясының жағасындағы Каркемиште Мысыр патшасы фараон Нехоның ордасын қырғынға ушыратты.
3. «Қалқанларды таярлап, саўашқа кирисиң!
4. Атларыңызды ертлеп, атларға миниң! Дуўлығаңызды кийип, сапқа дизилиң! Найзаларды егеп, саўытларды кийиң!
5. Мен не көрип турман? Олар қорқып, шегинип атыр, Жаўынгерлери жеңилип, Артына қарамай, қашып баратыр. Ҳәр тәрептен қорқыныш бийлеп алған, – дейди Жаратқан Ийе. –
6. Жүйрик қашып қутыла алмас, Батыр қашып кете алмас. Арқада, Евфрат дәрьясы бойында, Олар сүрнигип, жығылады.
7. Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған ким?
8. Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған бул – Мысыр. Ол: „Тасып, дүнья жүзин қаплайман, Қаланы турғынлары менен жоқ қыламан“, – дейди.
9. Ҳәй, атлар, алға басың! Ҳәй, арбалар, жел болып ушың! Мәрт жаўынгерлер ҳүжимге өтсин: Хабашстан әскерлери, Пут қалқаншылары, Шебер сарыжайшы Луд әскерлери.
10. Бул күн Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Ийениң күни. Бул күн Оның душпанларынан өш алынатуғын төлем күни. Қылыш тойғанша, Қанға шөли қанғанша жалмайды. Евфрат дәрьясының арқасындағы жерлерде, Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Ийе ушын қурбанлық болады.
11. Ҳәй, пәк қыз Мысыр, Гиладқа барып, мәлҳәм ал. Қанша дәри ишсең де, бийпайда, Сениң дәртиңе даўа жоқ.
12. Шерменделигиңди миллетлер еситти, Жер бети пәриядыңа толды. Әскер әскерге дүгисип, Екеўи де жерге қулады».
13. Бабилония патшасы Набуходоносордың урысыў ушын Мысыр елине келетуғыны туўралы Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийе мына сөзди айтты:
14. «Мысырда жәриялаң, Мигдолда жар салың, Нофта ҳәм Тахпанхесте еситтирип, былай дең: „Турып, таярланың, Қылыш дөгерегиңиздегилерди қырып таслайды“.
15. Не ушын қудайың Апис қашты? Буғаң не ушын аяқта тура алмады? Себеби Жаратқан Ийе оны жер менен жексен етти.
16. Ол жығылғанларды көбейтти, Олар бир-бириниң үстине жығылып атырып: „Бол тез, залымның қылышынан қашып, Өз халқымызға, туўылған мәканымызға қайтайық!“ – дейди.
17. Ол жерде болса: „Мысыр патшасы фараон тек мақтаншақ, Ол пурсатты қолдан шығарды“, – дейди.
18. Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша былай дейди: „Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Таўлар арасында Табор таўы қандай болса, Теңиз жағасындағы Кармел таўы қандай болса, Сизлерге киятырған душпан да сондай.
19. Ҳәй, қыз Мысырдың турғынлары! Түйиншигиңизди түйип, сүргинге таярланың. Ноф ўайран болып, Кимсесиз ҳүўлеп қалады.
20. Мысыр жүдә сулыў қашар, Бирақ арқаның соналары жапырылып оған ушып келеди.
21. Оның жалланба әскерлери, Баққы танадай болса да, Шегинип, бирликте изге қашады, Олардың жеринде тура алмайды. Себеби олардың апатшылыққа ушырайтуғын күни, Жазаланатуғын ўақты жетип келди.

1. Фараон Газаға ҳүжим қылмастан алдын, Жаратқан Ийеден Еремия пайғамбарға филистлер туўралы сөз түсти+.
2. Жаратқан Ийе былай дейди: – Арқадан суўлар көтерилип, Дәрья киби толып тасып, Жерди ҳәм оны толтырып турған нәрселерди, Қаланы ҳәм онда жасайтуғынларды басып кетеди. Адамлар дад-пәрияд қылып, Сол жерде жасайтуғын пүткил халық аҳыў-нала шегеди.
3. Күшли атлардың туяқларының дүрсилдисинен, Саўаш арбаларының тасырлысынан, Дөңгелеклериниң даўысларынан, Қолларында дәрман қалмаған әкелер, Балаларына қайырылып та қарамайды.
4. Сондай күн келеди, Пүткил филистлер қырып тасланады. Тир менен Сидонның соңғы аўқамласлары жоқ қылынады. Кафтор жағасында аман қалған филистлерди, Жаратқан Ийе жоқ қылады.
5. Газа аза тутып шашын алдырады, Ашкелон үнсиз қалады. Тири қалған ойпатлық турғынлары! Қашанға дейин ғам шегип, өз денеңизди тилкимлейсиз?
6. Аҳ, Жаратқан Ийениң қылышы! Қашан тыныш табасаң? Қыныңа кир, Тынышланып, демиңди ал!
7. Жаратқан Ийе оған буйрық берген болса, Ол қалай тынышлансын? Жаратқан Ийе Өз қылышын, Ашкелонға ҳәм теңиз жағасына жоллады.

1. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Моаб туўралы былай дейди: – Небоның соры қурып, қарабақанаға айланады. Кирятайым масқара болып, басып алынады. Шерменде болып, қорғаны ўайран етиледи.
2. Моабтың даңқы сөнеди. Хешбонда душпанлары оған қарсы жоба дүзеди, «Келиң, бул миллетти қуртайық», – деседи. Мадмен қаласы, сениң сестиң өшеди, Қылыш сени қуўалайды.
3. Хоронайымнан дад-пәрияд еситиледи: «Уллы қырғыншылық ҳәм ўайраншылық».
4. Моаб қулады, Балалары шыңғырып жыламақта.
5. Өкирип жылаўы менен, Лухит бийиклигине көтериледи, Хоронайымға түсетуғын жолда, Қырғынның зарлы даўысын еситеди.
6. Қашыңлар, бас саўғалаңлар! Шөлдеги жыңғыл путасындай жан сақлаңлар.
7. Моаб, сен ислеген ислериң ушын, Байлығыңа үмит байлағаның ушын қолға алынасаң. Руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен, Кемош сүргин етиледи.
8. Жаратқан Ийениң айтқанындай, Ҳәр бир қаланы қырып таслаўшы келеди, Бирде бир қала аман қалмайды, Ойпатлық набыт болады, Тегислик жер менен жексен болады.
9. Моабқа қәбир тасын қойың, Оның қалалары шөлге айланады, Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
10. Жаратқан Ийениң тапсырған исин, Немқурайды орынлағанға, Оның қылышын қан төгиўден тоқтатқанға нәлет жаўсын!
11. Моаб жаслығынан бийқәтерликте, Тындырылған шараптай тыныш жасады. Оны ыдыстан ыдысқа қуймады, Сүргинге алып кетпеди. Сонлықтан оның дәми сақланып қалған, Хош ийиси өзгермеген.
12. Бирақ оны ыдыстан ыдысқа өзгертетуғын адамларды жиберетуғын күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Оны төгеди, ыдысларын босатады ҳәм гүзелерин шыл-пәрше етеди.
13. Израилдың өзлери исенген Бейт-Эл себепли уятқа қалғанындай, Моаб та Кемош себепли уятқа қалады.
14. Сизлер қалайынша: «Бизлер мәрт жаўынгерлермиз, Саўашқа таяр батырлармыз», – дейсиз.
15. Моаб ўайран қылынады, Қалалары басып алынады, Сайланды жигитлери қырып тасланады, – дейди, Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша.
16. Моабқа қырғын жақынласпақта, Апат оған желдей ушып келмекте.
17. Айналасында жасайтуғынлар ол ушын жылаңлар, Оның атын билетуғынлар жоқлаў айтып: «Ўаҳ, қүдиретли ҳаса, Даңқлы таяқ қалай сынды?» – деңлер.
18. Қыз Дибон турғынлары! Салтанатлы орныңыздан түсип, Қурғақ жерде отырың. Моабты қырғын қылған сизлерге келип, Қорғанларыңызды ўайран қылады.
19. Ароер турғынлары! Жол жағасында турып, нәзер салың, Қашқан еркектен ҳәм қутылған ҳаялдан: «Не болды?» – деп сораң.
20. Моаб масқара болды, жоқ қылынды! Пәрияд етиң, өкирип жылаң! Моабтың ўайран болғанын, Арнон сайында жәрия етиң.
21. Тегисликтеги мына қалалар үстинен ҳүким шығарылды: Холон, Яҳаса, Мефаат,
22. Дибон, Небо, Бейт-Диблатайым,
23. Кирятайым, Бейт-Гамул, Бейт-Меон,
24. Керийот, Босра ҳәм Моабтың узақ ҳәм жақын ҳәр бир қаласы.
25. Моабтың шақы сынды, қолы кесилди, – дейди Жаратқан Ийе.
26. – Оны мәс болғанынша ишкизиң, Себеби ол Жаратқан Ийеге көкирек көтерди. Моаб өз қусығына өзи аўнап жатсын, Адамларға күлки болсын.
27. Сен Израилдың үстинен күлмедиң бе? Ол туўралы сөз болса, бас шайқайтуғындай, Ол не урлық үстинде усланып па еди?
28. Моаб турғынлары! Қалаларыңызды таслап, Жартаслар арасында жасаң. Уясын үңгирдиң аўзына салған, Кептердей болың.
29. Бизлер Моабтың тәкаббирлиги, Оның аса менменлиги, Өркөкиреклиги менен бәлентпәрўазлығы, Мақтаншақлығы ҳәм паңпаңлығы туўралы еситтик.
30. Мен оның сурбетлигин билемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Оның мақтанғанлары бос, ислери пуш.
31. Сол себепли Моаб ушын зарлап, Пүткил Моаб ушын жылайман, Кир-Херес халқы ушын жоқлаў айтаман.
32. Сибманың жүзимзарлары! Сениң ушын Язер ушын жылағанымнан да көбирек жылайман. Сениң шақаларың теңизден асып өтип, Язерге дейин созылды. Қырғын қылыўшы жазғы жемисиңе, Писип турған жүзимиңе ҳүжим етти.
33. Моабтың бағ-бақшаларынан, атызларынан, Шадлық ҳәм қуўаныш тартып алынды. Жүзим сығылатуғын шуқырлардан, Ағатуғын шарапқа шек қойдым. Онда енди қосық айтып жүзим басқыланбайды. Шаўқым-сүрен бола береди, Бирақ ол қуўаныш шаўқымы емес.
34. Олардың пәрияд етип бақырған даўысы, Хешбоннан Элале ҳәм Яҳасқа дейин, Соардан Хоронайымға ҳәм Эглат-Шелишияға дейин еситиледи. Ҳәттеки, Нимрим суўлары да қурып қалды.
35. Мен Моабтағы сыйыныў орынларында қурбанлық бергенди, Өз қудайларына түтетки түтеткенди, Жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе.
36. Сол себепли жүрегим сырнай киби, Моаб ушын сызлайды. Кир-Херес халқы ушын, Жүрегим сырнай киби ыңыранады. Себеби олар қолға киргизген байлығынан журдай болды.
37. Ҳәр бир адам шашын алдырып, сақалын қырқып, Қолларын тилип жарақатлап, Аза кийимин кийген.
38. Моабтың барлық үшеклери менен майданларында, Ғалаба жыласқан даўыслар еситиледи. Себеби Мен Моабты керексиз ыдыстай сындырып тасладым, – дейди Жаратқан Ийе.
39. Ўаҳ, Моаб қандай шыл-пәрше болды! Олар қатты бақырып жыламақта! Моаб шерменделиктен жүзин жасырмақта! Ол күлкиге қалып, Әтирапындағылар ушын қорқынышқа айланды.
40. Жаратқан Ийе былай дейди: – Қараң, қанатларын Моаб үстине жайып, Душпан бүркит киби ушып жүр.
41. Керийот қолға түседи, Қорған қалалар басып алынады. Сол күни Моаб жаўынгерлериниң жүреги, Толғатып атырған ҳаялдикиндей болады.
42. Моаб Жаратқан Ийеге қарсы бас көтергени ушын, Халықлар арасынан жоқ қылынады.
43. Моаб турғынлары! Сени қорқыныш, шуқыр ҳәм дузақ күтпекте, – дейди Жаратқан Ийе.
44. – Қорқыныштан қашқан шуқырға, Шуқырдан шыққан дузаққа түседи. Өйткени Мениң Моабты, Жазалайтуғын жылым келди, – дейди Жаратқан Ийе.
45. – Ҳалдан тайған қашқынлар, Хешбонның саясында тоқтайды. Бирақ Хешбон қаласынан от, Сихон патшаның қаласынан жалын шығып, Моаб елин жандырып, Қозғалаңшы халқын жалмайды.
46. Моаб, сорың қурысын! Қудай Кемоштың халқы набыт болды, Улларың сүргинге айдалды, Қызларың тутқынға алынды.
47. Бирақ ақырғы күнлерде Мен Моабтың, Абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе. Моабтың жазасы усы жерде жуўмағына жетеди.

1. Жаратқан Ийе аммонлар ҳаққында былай дейди: – Израилдың уллары жоқ па? Оның мийрасхоры жоқ па? Онда не ушын Молохқа табынатуғынлар, Гад урыўының жерин ийелеп, Халқы Гадтың қалаларында жасап атыр?
2. Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Аммонлардың бас қаласы Раббаға қарсы, Урыс дабылын қақтыраман. Ол үйилген топыраққа айланады, өртеледи. Сонда Израил өзлеринен тартып алынғанларды ийелейди, – дейди Жаратқан Ийе. –
3. Зар жыла, Хешбон! Өйткени Ай қаласы қырып тасланды. Рабба ҳаяллары пәрияд етиң! Аза кийимин кийип, өкирип жылаң! Атызларда гезип жүриң! Өйткени руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен, Молох сүргин қылынады.
4. Ойпатлықларың менен неге мақтанасаң? Ойпатлықларың набыт болады. Бийопа қыз, ғәзийнелериңе исенип: «Маған ким ҳүжим ете алады?» – дедиң.
5. Мен өзим саған ҳәмме тәрептен, Қорқыныш жиберемен, – дейди Әлемниң Ийеси, Жаратқан Ийе. – Сизлер қуўылып, тарап қашасыз, Қашқынларды ҳеш ким қайта жыйнамайды.
6. Бирақ буннан кейин, Мен аммонлардың, Бурынғы абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе.
7. Эдом туўралы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Теманда енди даналық жоқ па? Даналарда мәсләҳәт қалмады ма? Олардың даналығы ғайып болды ма?
8. Дедан турғынлары! Артыңызға қарамай, қашып, Үңгирлерге жасырының. Мен Эсаўды жазалағанымда, Басына апатшылық жаўдыраман.
9. Бағыңда жүзим тергенлер, Бир неше солқым жүзим қалдырмас па еди? Түнде үйге түскен уры, Керегин урламас па еди?
10. Бирақ Эсаўды тыр жалаңаш қыламан, Сырлы жерлерин әшкара қыламан, Ол жасырына алмайды. Оның урпақлары, Ағайин ҳәм қоңсылары жоқ қылынады, Өзи де жоқ болады.
11. Ҳеш ким: «Жетимлериңизди қалдырың, Олардың жанын сақлайман. Жесирлериңиз де маған үмит байласын», – дей алмайды.
12. Жаратқан Ийе былай дейди: – Жаза кесесинен ишиўи керек болмағанлар да, Оннан ишкенде, сен жазасыз қаласаң ба? Яқ, жазасыз қалмайсаң, Әлбетте, оннан ишесең.
13. Өз атым менен ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Босра қорқынышқа, күлкиге, Шөлге ҳәм ғарғысқа дуўшар болады. Оның барлық қалалары мәңги босап қалады.
14. Мен Жаратқан Ийеден бир хабар еситтим, Миллетлер арасына жаршы жолланды: «Бир жерге жыйналып, оған қарсы шығың, Аяққа турып, саўашқа атланың!»
15. Мен сени миллетлер арасында арзымас, Адамлар арасында жек көринши қыламан.
16. Қәўетерге түсиўиң ҳәм тәкаббир жүрегиң, Сени алдады. Ҳәй, жартастың жарығында жасайтуғын, Төбелердиң бийик шоққыларын ийелеген! Бүркит киби уяңды бәлент қурсаң да, Сени ол жерден түсиремен, – дейди Жаратқан Ийе. –
17. Эдом қорқынышлы көриниске айланады. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, Апатшылықлары себепли оны табалайды.
18. Содом менен Гомора ҳәм олардың әтирапындағы қалалардың, Жер менен жексен болғаны сыяқлы, – дейди Жаратқан Ийе, – Эдомда да бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды.
19. Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан, Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы, Эдом халқын ол жерден асығыс айдап шығаман. Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма? Себеби Маған тең келетуғын ким бар? Меннен ким есап талап қыла алады? Қайсы патша Маған қарсы тура алады?
20. Сонлықтан Жаратқан Ийениң Эдомға қарсы дүзген жобасын тыңлаң! Теман турғынлары ушын нийетлеген мақсетин еситиң: «Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең кишкенеси де сүйреп кетиледи, Олар себепли жайлаўлары босап қалады.
21. Олардың қулаған даўысынан, Жер жүзи ләрзеге келеди. Қышқырысқан даўыслары, Қамыс теңизине дейин еситиледи.
22. Әне, душпан бүркит киби жоқары ушып, Қанатларын Босраның үстине жайды. Сол күни Эдом әскерлериниң жүреги, Толғатқан ҳаялдың жүрегиндей болады».
23. Дамаск туўралы пайғамбаршылық: «Хамат ҳәм Арпад уятқа қалды, Қорқынышлы хабарды еситип, қатты муңайды. Руўхы түсип, Толқын көтерилген теңиздей басылмайды.
24. Дамаск ҳәлсиреп, қаша жөнелди, Оны қорқыныш бийлеп алды. Толғақ тутқан ҳаялдай, Оны азап ҳәм дәрт тутты.
25. Қуўанышым мәканы болған, Бул даңқлы қала қалайынша таслап кетилди?
26. Оның жас жигитлери көшелерде өледи, Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
27. Дамаск дийўалларына от қояман, Бен-Ҳадад қорған қаласын өрт жалмайды».
28. Бабилония патшасы Набуходоносор басып алған Кедар ҳәм Хасор патшалықлары туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Барып, Кедарға ҳүжим қылың, Шығыстағы халықларды жоқ қылың!
29. Олардың шатырлары менен сүриўлери тартып алынады, Перделери, буйымлары, түйелери талан-тараж қылынады, Адамлар ўай-ўайлап: «Қәўип дөнбекте», – деп бақырысады.
30. Хасор турғынлары! Қашыңлар, Узақларға кетиңлер, Үңгирлерге жасырыныңлар! – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби Бабилония патшасы Набуходоносор, Сизлер ушын қарар қабыл етти, Сизлерге қарсы жоба дүзди.
31. Барың, тыныш ҳәм қәўипсиз жасап атырған, Халыққа ҳүжим етиң, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың дәрўазалары да, тәмбилери де жоқ, Олар жеке жасайды.
32. Олардың түйелери олжаланып, Көп маллары қолға алынады. Тулымшақларын кестирип жүретуғын бул адамларды, Төрт тәрепке тарқатып жиберемен, Ҳәр тәрептен оларға апат жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе. –
33. Хасор мәңгиге қаңырап, Сағаллар мәканына айланады. Ол жерде бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды.
34. Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басларында Еремия пайғамбарға Элам ҳаққында сөз түсти.
35. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деди: – Эламның қүдиретиниң негизи болған, Садағын сындыраман,
36. Аспанның төрт тәрепинен жиберилген самал менен, Эламды төрт тәрепке тарқатып жиберемен. Эламнан сүргин етилгенлердиң, Аяқ баспаған журты қалмайды.
37. Эламды душпанларының, Жанына қас болғанлардың алдында албыратаман. Мен лаўлаған ғәзебимди, Үстине апат қылып жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды пүткиллей жоқ қылмағанша, Изине қылыш саламан.
38. Мен тахтымды Эламға орнатып, Оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
39. Бирақ ақырғы күнлерде Эламға, Абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе.

1. Бабилон ҳәм калдейлердиң жери ҳаққында Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзи мынаў:
2. «Миллетлер арасында жәриялап, жар салың, Байрақ көтериң, оларға еситтириң, Ҳеш нәрсени жасырмай айтың: „Бабилон қолға алынды, Қудайы Бел шерменде болды, Қудайы Меродах шилпәрше болды. Оның бутлары масқара болды, Мүсинлери сындырып тасланды“.
3. Себеби арқадан бир миллет оған қарсы шығып, Оның жерин шөлге айландырады. Ол жерде ҳеш ким жасамайды, Адам да, ҳайўан да оннан қашып кетеди.
4. Сол күнлери ҳәм сол ўақытлары, – дейди Жаратқан Ийе, – Израил халқы Яҳуда халқы менен бирге, Көз жас төгип келип, Өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени излейди.
5. Олар Сионға қарай бет бурып, Оған баратуғын жолды сорайды. „Келиң, умытылмайтуғын мәңгилик келисим дүзип, Жаратқан Ийе менен жарасайық“, – дейди.
6. Мениң халқым адасқан қойлардай, Шопанлары оларды адастырып, Таўларға айдап жиберди, Олар таў-төбелерде гезип, Өз өрисин умытты.
7. Қойларыма дус келген оларды жеди, Душпанлары: „Биз айыплы емеспиз, Олар ҳақыйқат өриси болған Жаратқан Ийеге, Ата-бабаларының үмити болған, Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи“, – дейди.
8. Бабилониядан қашып кетиң, Калдейлердиң жеринен шығып кетиң, Сүриўди баслап жүрген текедей болың.
9. Мине, Мен арқадағы уллы миллетлер топарын, Бабилонға қарсы көтерип, алып келемен. Олар Бабилонға қарсы сап тартып турады, Оны қолға алады. Оқлары мерген әскердикиндей, Ҳеш бири бос кетпейди+.
10. Калдейлер талан-тараж қылынып, Оны талағанлардың бәри олжаға батып қалады, – дейди Жаратқан Ийе.
11. Ҳәй, мийрасымды талаған бабилонлылар! Сизлер мәс болып, қуўандыңлар, Отлақтағы қашардай секирип қуўанып, Айғырдай киснедиңлер.
12. Бирақ ана журтыңыз уятқа қалады, Киндик қаныңыз тамған жер аяқ асты болады. Ол миллетлер ишиндеги ең әҳмийетсизи болып, Шөлге, қуў далаға, саҳраға айланады.
13. Жаратқан Ийениң ғәзебинен, Елсиз болып, пүткиллей қаңырап қалады. Бабилоннан өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, Басынан өткен нәрселер себепли оны табалайды.
14. Ҳәй, садақшылар, Бабилон әтирапына сап тартып турың. Оған оқ атың, оқларды аямаң, Себеби ол Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи.
15. Ҳәмме тәрептен қалаға қарай бақырың! Ол тәслим болды, минаралары қулады, Дийўаллары жер менен жексен болды. Бул Жаратқан Ийениң өши, оннан өш алың, Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең.
16. Бабилонияда егин еккенди, Орақ ўақтында орақшыны да жоқ қылың. Душпан қылышынан қашып, Ҳәр бир адам өз халқына қайтсын, Өз ўатанына қашып барсын».
17. «Израил арысланлар қуўып, Сүриўден айырылып қалған қойға уқсайды. Дәслеп оны Ассирия патшасы жалмады, Ал мына, оның сүйегин кемирген соңғысы, Бабилония патшасы Набуходоносор болды.
18. Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен Ассирия патшасын қалай жазалаған болсам, Бабилония патшасы менен оның елин де солай жазалайман.
19. Израилды және өз өрисине қайтараман, Ол Кармелде, Башанда отлап, Эфрайым таўларында ҳәм Гиладта тойып жүреди.
20. Сол күнлери ҳәм сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Израилдың айыбы изленеди, Бирақ ҳеш бир айып табылмайды. Яҳуданың гүнасы изленеди, Бирақ оннан ҳеш бир гүна табылмайды. Мен аман қалдырғанларымды кеширемен».
21. Мератайым жерине ҳәм Пеқод халқына ҳүжим қылыңлар. Оларды қырып, толық жоқ қылың, – дейди Жаратқан Ийе. Өзиңе буйырғанлардың ҳәммесин орынла.
22. Бабилонда урыс шаўқымы ҳәм уллы ўайраншылық!
23. Пүткил дүньяны тоқпақлап езген Бабилония, Енди қаншелли сынып, майдаланды! Ол миллетлер арасында, Қандай қорқынышлы көриниске айланды!
24. Мен саған дузақ қурдым, Бабилон, сен билмей, оған түстиң. Жаратқан Ийеге қарсы шыққаның ушын, Сен табылдың ҳәм тутқынға алындың.
25. Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийениң, Калдейлердиң жеринде ислейтуғын иси болғаны себепли, Жаратқан Ийе зат сақлайтуғын бөлмесин ашып, Оннан ғәзеп қуралларын шығарды.
26. Бабилонға ҳәр тәрептен ҳүжим қылың. Оның дәрўазаларын ашың, Қаладағының ҳәммесин үйин-үйин қылып жыйнап, Пүткиллей жоқ қылың. Оннан ҳеш нәрсе қалдырмаң.
27. Барлық батырларын өлтириң, Қырып таслаң. Олардың соры қурысын! Өйткени олардың күни келди, Жаза алатуғын ўақты жетти.
28. Бабилониядан қашып қайтып келгенлердиң даўысы еситиледи. Олар Сионға келип, Қудайымыз Жаратқан Ийениң өшин, Өз Ибадатханасы ушын алған өшин жәрияламақшы.
29. Сарыжайшыларды, оқ ататуғынлардың ҳәммесин, Бабилонның қарсысына шақырың. Қаланы қоршаўға алың, Ҳеш ким қутылып кете алмасын. Ислеген исине жараса қайтарың, Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең. Себеби ол Израилдың Мухаддесине, Жаратқан Ийеге қарсы көкирек көтерди.
30. Сонлықтан жас жигитлери көшелерде өлип, Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди Жаратқан Ийе.
31. Ҳәй, тәкаббир, Мен саған қарсыман, – дейди, Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийе. Сениң күниң келди, Мен сени жазалайтуғын ўақыт жетти.
32. Тәкаббир сүрнигип жығылады, Оны ҳеш ким орнынан турғызбайды. Оның қалаларына от қояман, Дөгерегиндегилердиң ҳәммесин от жалмайды.
33. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Израил менен Яҳуда да жәбир шекпекте, Тутқынға алғанлардың ҳәммеси оларды беккем услап, Азат қылыўдан бас тартпақта.
34. Бирақ олардың әменгери күшли, Оның аты Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ол Израилдың исин жақлайды. Жер жүзине тынышлық, Ал Бабилония турғынларына зобалаң береди.
35. Калдейлерге қылыш дөнсин! – дейди Жаратқан Ийе. – Бабилон турғынларына, Басшыларына ҳәм данышпанларына қылыш дөнсин!
36. Жалған пайғамбарларына қылыш дөнсин! Олар ақмақлық қылмақта! Әскерлерине қылыш дөнсин! Олар набыт болмақта!
37. Атларына, саўаш арбаларына, Басқа миллетлерден жаллап алған әскерлерине қылыш дөнсин! Олар ҳаял сыяқлы ҳәлсиз болады. Оның ғәзийнесине қылыш дөнсин! Олар талан-тараж болады.
38. Қурғақшылық басланып, Суўлар тартылып, қурып қалсын, Өйткени бул жер бутлар мәканы. Қорқынышлы бутлар себепли, Адамлар ақылдан азды.
39. Енди ол жерде жабайы ҳайўанлар, Сыртланлар ҳәм үкилер жасайды. Онда адам жасамайды, Әўладтан-әўладқа ҳеш ким аяқ баспайды.
40. Содом менен Гомораның, Олардың әтирапындағы қалалардың, Жер менен жексен болғаны сыяқлы, Ол жерде де бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе.
41. Мине, арқадан бир халық киятыр. Дүньяның шетинен бир уллы миллет, Сондай-ақ көплеген патшалар аяққа турмақта.
42. Оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған олар, Жаўыз ҳәм реҳимсиз. Шаўқымы теңиздей шуўлайды, Олар атларға минип шаўып киятыр. Қыз Бабилон! Сениң менен урысыў ушын, Олар бир адамдай сап тартып турады.
43. Бабилония патшасы олар ҳаққында еситкенде, Қолларында мәдар қалмады. Толғақ тутқан ҳаял киби, Оны қайғы-азап бийлеп алды.
44. Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан, Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы, Калдейлерди ол жерден асығыс қуўып шығаман. Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма? Себеби Маған тең келетуғын ким бар? Меннен ким есап талап қыла алады? Қайсы патша Маған қарсы тура алады?
45. Енди, Жаратқан Ийениң Бабилонға қарсы дүзген жобасын, Калдейлердиң жери ушын нийетлеген мақсетин еситиң: «Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең жасы да сүйреп кетиледи, Олардың жайлаўлары босап қалады».
46. «Бабилон басып алынды!» – деп бақырғанда, Жер жүзи ләрзеге келеди. Қышқырысқан даўыслары, Миллетлер арасынан еситиледи.

1. Жаратқан Ийе былай дейди: – Мен Бабилонияны ҳәм Леб-Қамай, яғный Бабилон турғынларын, Набыт қылатуғын даўыл турғызаман.
2. Бабилонға жат жерлилерди жиберемен. Оны бийдайдай суўырып, елин босатып таслайды. Апатшылық күни оған жән-жақтан ҳүжим қылады.
3. Сарыжайшыларының сарыжайын тартсын, Саўытларын кийип таяр турсын. Бабилонның жасларын аямаң, Оның ләшкерлерин толық қырып таслаң.
4. Қаза тапқанлар калдейлердиң елинде, Өлтирилгенлер көшелерде жатады.
5. Израил ҳәм Яҳуда ели, Израилдың Мухаддеси алдында, Гүнаға батқан болса да, Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси, Оларды тәрк етпеди.
6. Бабилонлылар арасынан қашың, Ҳәр ким өз жанын қутқарсын. Оның қылмысы себепли набыт болмаң. Себеби Жаратқан Ийе Бабилоннан өш алмақта, Қылмысына жараса жаза бермекте.
7. Бабилон Жаратқан Ийениң қолында, Пүткил дүньяны мәс қылған, Алтын кесе сыяқлы еди. Миллетлер оның шарабынан ишип, Ақылынан азды.
8. Бабилон қулап, шыл-пәрше болды. Ол ушын жылаң, Жарасына мәлҳәм жағың, Бәлким, жазылып қалар!
9. Биз Бабилонға шыпа бермекши болдық, Ол шыпа таппады. Оны таслап, ҳәмме өз ўатанымызға кетейик. Оған шығарылған ҳүким көклерге жетти, 1 Бултларға дейин көтерилди.
10. Жаратқан Ийе бизди ақлады, Барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң ислерин, Сионда жәрия қылайық.
11. Оқларды ушқырлап, оқ қалталарды толтырың. Жаратқан Ийе Мидия патшаларының руўхын қозғады. Нийети Бабилонды жоқ қылыў еди. Усылай, Жаратқан Ийе Өзиниң өшин, Ибадатханасының өшин алады.
12. Бабилон дийўалларына қарсы байрақ көтериң, Бақлаўшыларды күшейтиң, гүзетшилер қойың, Буққыларды таярлаң. Жаратқан Ийе мақсетлерин әмелге асырады, Бабилон турғынларына айтқанларын орынлайды.
13. Мол суўлар бойында, Бай ғәзийнеге ийе болған халық! Сениң ақырың жетти, Әжелиң келди.
14. Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз аты менен ант ишти: «Сени топ-топ шегирткедей болған, Әскерлерге толтыраман. Олар жеңис даўрығын салады».
15. Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты, Даналығы менен дүньяны қурды, Ақылы менен көклерди жайды.
16. Ол гүркирегенде көктеги суўлар шуўлайды, Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди, Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
17. Ҳәр бир адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады. Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
18. Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
19. Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил Оның мийрас урыўы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
20. Бабилон, сен Мениң шоқмарым едиң, Сен арқалы миллетлерди қырып, Патшалықларды ўайран қылдым.
21. Сен арқалы атлар менен ондағы шабандозларды, Саўаш арбалары менен арбакешлерди қырдым.
22. Сен арқалы еркеклер менен ҳаялларды, Ғаррылар менен жасларды, Жигитлер менен қызларды қырдым.
23. Сен арқалы шопанды ҳәм оның сүриўин, Дийханды ҳәм оның жер айдайтуғын өгизин, Ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын қырдым.
24. Бабилонның ҳәм пүткил калдейлердиң, Сионда ислеген барлық жаўызлықларын, Сизлердиң көз алдыңызда өзлерине қайтараман, – дейди Жаратқан Ийе. –
25. Ҳәй, ўайран етиўши таў, Пүткил дүньяны қыйратқан таў! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Қолымды созып, Сени жартастан қулатып, Жанып кеткен таўға айландыраман.
26. Сеннен мүйешке қойылатуғын тас та, Тийкар тас та алынбайды. Мәңгиге қаңырап қаласаң, – дейди Жаратқан Ийе. –
27. Сол жерде байрақ көтерип, Миллетлер арасында кәрнай шалың, Миллетлерди Бабилонға қарсы урысқа таярлаң. Арарат, Минний ҳәм Ашкеназ патшалықларын, Бабилонға қарсы топлаң. Оған қарсы сәркәрда тайынлап, Атларды шегирткедей үстине бастырың.
28. Бабилонға қарсы урысыўға миллетлерди, Мидия патшаларын, оның ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын, Олардың қол астындағы барлық еллерди таярлаң.
29. Жер титиреп, қалтырамақта. Өйткени Бабилонды адамсыз шөлге айландырыў ҳаққындағы, Жаратқан Ийениң нийети әмелге аспақта.
30. Бабилон батырлары саўаштан ўаз кешип, Өз қорғанларында отыр. Күши кетип, ҳаялдай болып қалған. Олардың жайлары өртелип, Қапы илгишлери сындырылды.
31. Шабарман изинен шабарман, Хабаршы изинен хабаршы келип, Бабилония патшасына мына хабарды билдирди: «Қала ҳәмме тәрептен басып алынды,
32. Дәрья өткеллери қолға алынды, Қамыслы батпақлар өртелди, Әскерлерди қорқыныш бийледи».
33. Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Орым ўақтында қырман қалай айдалатуғын болса, Қыз Бабилон да солай қылынады. Тез арада сол ўақыт келеди.
34. «Бабилония патшасы Набуходоносор, Мени жалмап, албыратты, Бос ыдысқа айландырып қойды. Айдарҳадай жутып, Қарнын ләззетли затларыма толтырды, Кейин қусып таслады.
35. Бизлерге ҳәм жерлеслеримизге исленген зорлық, Бабилонның басына түссин, – дейди Сион турғынлары. Төгилген қанымыздың қуны, Калдейлерден талап етилсин», – дейди Ерусалим.
36. Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сениң исиңди жақлап, Сениң ушын өш аламан. Теңизин қурғатып, Суў булақларын қурытаман.
37. Бабилон тас үйиндисине, Сағаллар мәканына айланады. Қорқынышлы көриниске айланып, Күлкиге қалады. Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
38. Бабилон халқы арысландай ақырады, Арыслан баласындай қаңсылайды.
39. Сонда, иштейи ашылғанда, Мен оларға зыяпат қурып беремен. Шадланып, мәңгилик уйқыға кетип, Ҳеш ўақыт оянбасын деп, Оларды мәс қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
40. Оларды тоқлы, қошқар ҳәм серке киби, Сойыўға алып бараман.
41. Ўаҳ, Шешах басып алынды! Пүткил дүньяның салтанаты қолға алынды! Ўаҳ, миллетлер арасында Бабилон қорқынышлы көриниске айланды!
42. Бабилонды теңиз қаплап, Туўлаған толқынлары оны бастырады.
43. Оның қалалары қаңырап, Қуў далаға, шөлге айланады, Ҳеш ким жасамайтуғын, Адам баласы ол арқалы өтпейтуғын жер болып қалады.
44. Бабилон қудайы Белди жазалап, Жутқанларын қустыраман. Енди миллетлер оған келмейтуғын болады, Бабилон дийўаллары қулайды.
45. Халқым Мениң! Олардың арасынан шығып, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен, Жаныңызды сақлап қалың.
46. Елде тарқалған мыш-мышлардан, Жүрегиңиз артқа тартып, қорқпасын. Быйыл бир гәп тарқалса, Келеси жылы басқасы тарқалады. Елдеги зорабанлық, Патшалар арасындағы урыс ҳаққында, Мыш-мышлар тарқалады.
47. Сондай күнлер киятыр, Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил үлке уятқа қалып, Өли денелери оның ортасында жайрап жатады.
48. Арқадан жоқ қылыўшы, Бабилонға ҳүжим еткенде, Аспан, жер ҳәм ондағылардың ҳәммеси, Бабилонның жағдайына шадланып, қышқырысады, – дейди Жаратқан Ийе. –
49. Израиллыларды қырғаны, Жер жүзиндеги басқа халықларды да қырғаны ушын, Бабилон қулайды.
50. Қылыштан қутылғанлар иркилмей, кетиң! Узақ жерлерде Жаратқан Ийени еске алың, Ерусалимди жүректе сақлаң.
51. Бизлер кейис еситкенде, уялдық, Шет еллилер Жаратқан Ийениң Ибадатханасының, Мухаддес жерлерине киргенде, Жүзи қара болдық!
52. Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил жер бойлап,Жарадарлардың пәрияды еситиледи.
53. Ҳәтте, Бабилон көклерге көтерилсе де, Бәлент қорғанларын беккем қылса да, Мен оған қырғын келтириўшини жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе.
54. Бабилоннан аҳыў-нала сеслери, Калдейлердиң жеринен уллы қырғын сести еситиледи.
55. Жаратқан Ийе Бабилонды опат етип, Уллы шаўқымын басып тындырады. Душпанлары мол суўлардың толқынындай шуўлап, Даўыслары жаңлап турады.
56. Қырғын келтириўши Бабилонға келеди. Әскерлери тутқынға алынып, Оқ жайлары сындырылады. Жаратқан Ийе – өш алыўшы Қудай, Ол исине сай толық қайтарады.
57. Мен Бабилонның басшыларын, данышпанларын, Ҳүкимдарларын, ҳәмелдарларын ҳәм әскерлерин мәс қыламан. Олар оянбайтуғын мәңгилик уйқыға кетеди, – дейди, Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша
58. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бабилонның қалың дийўаллары жер менен жексен болады, Бәлент дәрўазалары жағып жибериледи. Халықлардың мийнети бийҳудаға кетеди, Миллетлердиң мийнети отқа жемтик болады.
59. Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының төртинши жылы, патшаның жол сапарларын уйымластырыўшы ўәзири Махсеяның ақлығы, Нерияның улы Серая Седекия менен бирге Бабилонға кетеринде, пайғамбар Еремия Сераяға усы тапсырманы берди.
60. Еремия Бабилонның басына түсетуғын барлық апатшылықларды, Бабилонға тийисли барлық сөзлерди бир орама қағазға жазып қойған еди.
61. Еремия Сераяға былай деди: – Бабилонға барғаныңда, бул сөзлерди даўыслап оқып бер.
62. Кейин былай деп дуўа ет: «Жаратқан Ийе, бул орынның жоқ етилетуғыны, онда инсан да, ҳайўан да жасамайтуғыны, оның мәңгиге қаңырап жататуғыны туўралы Өзиң айттың».
63. Орама қағазды оқып болып, оған тас байлап, Евфрат дәрьясына атып жибер.
64. Кейин былай деп айт: «Бабилон да усылай суўға шөгеди. Ол Мен жаўдыратуғын апатшылықтан, енди ҳеш қашан аяққа тура алмайды. Оның ҳәмме турғынлары набыт болады». Усының менен, Еремияның сөзи жуўмағына жетеди.

1. Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасы либналы Еремияның қызы Хамутал еди.
2. Седекия да Еҳоякимге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3. Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди.
4. Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил ордасы менен Ерусалимге келип, оның қарсысына орналасты. Қаланың айланасына топырақ үйди.
5. Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин, қала қамалда болды.
6. Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды.
7. Сол ўақытта қала дийўалы қулады. Калдейлер қаланы айлана қоршап турған болса да, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
8. Калдей ләшкерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Пүткил әскерлери Седекияны таслап қашып кетти.
9. Калдейлер Седекияны тутқынға алып, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
10. Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ҳәмелдарларын да баўызлатты.
11. Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, оны қола шынжыр менен байлатып, Бабилонға алып кетти. Оны өлимине дейин зинданда сақлады.
12. Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының оныншы күни патшаның сақшыларының баслығы ҳәм Бабилония патшасының ҳәмелдары Набузарадан Ерусалимге келди.
13. Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, патшаның сарайын ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесин ҳәм пүткил зәўлим жайларды өртеди.
14. Патшаның сақшыларының баслығы менен келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатты.
15. Патшаның сақшыларының баслығы Набузарадан халықтың кәмбағалларын, қалада аман қалғанларын, Бабилония патшасы тәрепке өткенлерди ҳәм тири қалған өнерментшилерди сүргин қылып, алып кетти.
16. Тек бағшылық ҳәм дийханшылық пенен шуғыллансын деп, жарлылардан айырымларын сол жерде қалдырды.
17. Калдейлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қола сүтинлерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонға алып кетти.
18. Олар Ибадатхана хызмети ушын қолланылатуғын шоқ салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти.
19. Патшаның сақшыларының баслығы ләгенлерди, шоқ салынатуғын ыдысларды, қан себетуғын табақларды, күл салынатуғын ыдысларды, шыра қойғышларды, тостағанларды ҳәм табақларды – алтыннан исленген затларды, гүмистен исленген затларды алып кетти.
20. Патша Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен еки сүтини, бир ҳәўизи ҳәм ҳәўиз астындағы он еки қола өгиз ушын сарп етилген қоланы өлшеў мүмкин болмады.
21. Ҳәр бир сүтинниң бийиклиги он сегиз шығанақ, домалақ айланасы он еки шығанақ, қалыңлығы төрт ели болып, иши бос еди.
22. Сүтинниң төбесинде қола төбелик бар еди. Оның бийиклиги бес шығанақ болып, айналасындағы тор ҳәм анар әшекөйлер де қоладан исленген еди. Екинши сүтин де анар әшекөйлер менен безелген еди.
23. Ҳәр тәрепте тоқсан алты анар, тордың үстиндегиси менен ҳәммеси болып жүз анар бар еди.
24. Патшаның сақшыларының баслығы бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм лаўазымлы руўханийлерден үшеўин тутқынға алды.
25. Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған бир сәркәрданы, қаладан табылған патшаның жети ўәзирин, үлке халқын әскерий дизимге алыўшы баслықтың хаткерин ҳәм ел турғынларының алпыс адамын тутқынға алды.
26. Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Рибладағы Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды.
27. Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтирди. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин қылынды.
28. Набуходоносор сүргин қылып алып келген халықтың саны мынадай: патшалығының жетинши жылында үш мың жигирма үш яҳудийди,
29. патшалығының он сегизинши жылында Ерусалим турғынларынан сегиз жүз отыз еки адамды,
30. жигирма үшинши жылы болса сақшылар баслығы Набузарадан жети жүз қырық бес адамды сүргин етип алып келди. Сүргин етилгенлер жәми төрт мың алты жүз адам еди.
31. Яҳуда патшасы Еҳоякин сүргин қылынғанының отыз жетинши жылы Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма бесинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинге жақсылық қылып, оны тутқынлықтан азат етти.
32. Ол Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оны өзи менен бирге болған басқа патшалардан үстин қойды.
33. Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқатланды.
34. 4Оның күнделикли керек-жарағы өмир бойы, өлимине дейин, ҳәр күни патша тәрепинен берилди.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)