Мухаддес Китап

Жоқлаў

1. Әттегене-ай! Бир ўақытлары адамға толы қала, Қалайынша енди жалғызланып қалды! Миллетлер арасында уллы саналған, Жесир ҳаялға уқсап қалды. Ўәлаятлардың ханымы болған, Енди күңге айланды.
2. Түн бойы ол зар жылайды, Көз жаслары шекелеринен ағады. Барлық ойнаслары арасында, Оны жубататуғыны жоқ. Барлық дослары сатқынлық етти, Оның душпанларына айланды.
3. Яҳуда апатшылық ҳәм аўыр қуллық астында, Сүргин қылып алып кетилди. Ол басқа миллетлер арасында жасап, Ҳеш тынышлық таппады. Ол қысқыға ушырағанда, Қуўғын қылыўшылардың қолына түсти.
4. Сионға баратуғын жоллар аза тутпақта, Себеби белгиленген байрамларға келетуғын ҳеш ким жоқ. Барлық дәрўазалары ҳүўлеп қалды, Руўханийлери аўыр гүрсинбекте. Бул қаланың қызлары қайғы-азап шекпекте, Қаланың өзи де ғамға батқан.
5. Душпанлары басшы болып алған, Жаўлары берекет таппақта. Қылмысының аўырлығы себепли, Жаратқан Ийе бул азапты Сионға жаўдырды. Балалары душпанның алдына салынып, Тутқын қылып алып кетилди.
6. Қыз Сион өз саўлатын жойтты. Басшылары жайлаў таппаған суўын яңлы, Аңшыдан қашыўға мәдары қалмады.
7. Азап ҳәм сергизданлық күнлеринде, Ерусалим бурын ийелеген барлық ғәзийнелерин еске алады. Халқы жаў қолына түскенде, Оған жәрдем берген болмады. Оның қулағанын тамашалап, Душпанлар үстинен күлди.
8. Ерусалим аўыр гүна иследи, Сол себепли ҳарам болды. Оны ҳүрмет еткенлер жалаңашлығын көрип, Оған жек көриўшилик пенен қарады. Енди болса ол гүрсинип, Ҳәммеден жүзин жасырмақта.
9. Оның жазығы аўыр еди, Бирақ ақыбетин ойламады. Ол жан түршигерли тәризде қулады, Оған тәселле бериўши болмады. «О, Жаратқан Ийе, аўыр аўҳалыма бир нәзер сал, Себеби душпан меннен үстин шықты!»
10. Душпан оның ең қымбатлы затларына қол салды, Басқа миллетлерге Өз жыйыныңа кириўди қадаған қылған болсаң да, Ерусалим олардың Мухаддес мәканға киргенин көрди.
11. Қаланың пүткил халқы нан излеп аҳ урмақта, Жүрек жалғаў ушын, бар байлығын бермекте. «О, Жаратқан Ийе, нәзер салып, Қандай хорланғанымды көр!
12. Ҳәй, жолдан өтип баратырғанлар! Сизлерге бәри бир ме? Аўҳалыма бир қарап көриң, Мен жолыққан дәрттей дәрт бар ма? Жаратқан Ийе ғәзеби лаўлаған күни, Бул дәртти басыма төкти.
13. Ол жоқарыдан от жиберип, Сүйеклеримди күйдирди. Аяқларыма тор таслап, Мени артқа қайтарды. Мени ўайран етип, Күн бойы ҳалдан тайдырды.
14. Гүналарымнан маған мойынтырық иследи, Ийе оларды Өз қоллары менен бириктирип байлап, Оны мениң мойныма асып қойды, Оның менен күшимди ҳәлсиретти. Мени өзим қарсы тура алмайтуғын, Душпанларымның қолына берди.
15. Ийе мендеги барлық батырларымды жерге урды, Жигитлеримди қырыў ушын маған қарсы ләшкер топлады. Ийе пәк қыз Яҳуданы, Жүзим сыққандай етип женишти.
16. Булар ушын еңиреймен, Көзимнен жас сел болып ағады. Қасымда мени жубатып, Жанымды жай таптырар ҳеш ким жоқ. Балаларым ўайран болды, Себеби душпан үстин келди».
17. Сион қолларын созады, Бирақ оған тәселле беретуғын жоқ. Яқыпқа душпан болыўды, Жаратқан Ийе буйырды қоңсы халықларға. Ерусалим олардың арасында ҳарам нәрсеге айланды.
18. «Аўа, Жаратқан Ийе әдил, Мен Оның буйрығына қарсы шықтым. Ҳәй барлық халықлар, маған қулақ салың, Мениң шегип атырған азабыма қараң. Жас қызлар менен жигитлерим сүргин қылынды.
19. Мен ойнасларымды шақырдым, Бирақ олар мени сатты. Руўханийлерим менен ақсақалларым, Жан сақлаў ушын азық излеп жүрип, Қала ишинде жан тапсырды.
20. Қара, Жаратқан Ийе, қандай азап шегип атырман, Ишим жанып, жүрегим қақ айырылмақта, Себеби Саған қарсы бас көтердим. Сыртта қылыш балаларымнан айырмақта, Иште өлим ҳүким сүрмекте.
21. Адамлар аҳыў-наламды еситти, Бирақ маған тәселле бериўши жоқ. Барлық душпанларым апатшылығымнан хабар тапты, Маған ислегенлериңнен шад болды. Сен жәриялаған сол күнди алып кел, Олар да мениң аўҳалыма түссин.
22. Пүткил жаўызлықлары нәзериңнен қашпасын, Барлық қылмысларым ушын маған не қылған болсаң, Оларға да соны исле. Аҳыў-налам көп, Жүрегимде мәдарым қалмады».
1. Әттегене-ай! Қалайынша Ийе ғәзеп атына минип, Қыз Сионды қара булт пенен қаплады. Ол Израилдың гөззаллығын, Көклерден жерге ылақтырды. Қәҳәри келген күни, Аяқ қойғышы болған Ибадатхананы еске алмады.
2. Яқыптың урпақларының пүткил мәканларын, Ийе аяўсыз жалмап жутты. Ғәзеби келип, қырып таслады, Қыз Яҳуданың қорғанлы қалаларын. Патшалығын ҳәм ҳүкимдарларын, Хорлап, жер менен жексен қылды.
3. Ғәзеби қайнап, Израилдың пүткиллей шақын сындырды. Душпан ҳүжим қылғанда, Оң қолын Израилдың үстинен тартып алды. Дөгеректи жалмайтуғын жалындай болып, Яқыптың журтын жандырып жиберди.
4. Ол душпан киби оқ жайын тартып, Жаў киби оң қолын иске салды. Көзге жағымлы көрингенлердиң ҳәммесин өлтирип, Қыз Сионның шатырының үстине, Ғәзебин от киби төкти.
5. Ийе душпандай болып, Израилды жалмап жутты. Барлық сарайларын жалмап жутып, Қорғанлы қалаларын ўайран етти. Қыз Яҳуданың пәриядын, Аҳыў-наласын арттырды.
6. Ибадатханасын бағдағы қостай етип қулатты, Жыйналатуғын орынды қарабақанаға айландырды. Жаратқан Ийе Сионда белгиленген байрамларды, Шаббат күнлерин умыттырды. Қәҳәр-ғәзепке минип, Патша ҳәм руўханийлерден жүз бурды.
7. Ийе Өз қурбанлық орнынан ўаз кешти, Мухаддес мәканын тәрк етти. Ибадатхана имаратын, Душпан қолына берди. Жаратқан Ийениң Үйинен шыққан душпан шаўқымы, Байрам күниндеги даўысқа мегзеди.
8. Жаратқан Ийе қыз Сионның дийўалын, Ўайран қылыўды шешти. Ол жақсылап жобаластырды, Ырайынан қайтпай, ҳәммесин набыт қылды. Солай етип, сыртқы ҳәм ишки дийўаллар аза тутпақта, Екеўи де ҳалдан тайды.
9. Дәрўазасын топыраққа былғап, Ийе тәмбилерин сындырып, жоқ қылды. Патшасын ҳәм көсемлерин, Жат миллетлер арасына сүргин қылды. Енди халыққа Қудайдың нызамлары үйретилмейди, Пайғамбарларына да Жаратқан Ийеден аян келмейди.
10. Қыз Сионның ақсақаллары, Тил қатпастан жерде отырыпты, Басларына топырақ шашып, Аза кийимин кийип алған. Басларын төмен салбыратып алған, Ерусалимниң жас қызлары да.
11. Жас төгиўден көзлерим талды, Қәлбим өртенбекте. Халқымның набыт болғаны зардабынан, Жүрегим тилким-тилким болмақта. Себеби қала көшелеринде, Балалар ҳәм нәрестелер естен танып жатырыпты.
12. Олар: «Нан менен суў бер», – деп, Аналарына пәрияд қылмақта, Жарадар киби, қала көшелеринде естен танып, Аналарының баўырында жан тәслим қылмақта.
13. Мен саған не айтайын? Сени неге мегзетейин, о, қыз Ерусалим? О, пәк қыз Сион! Жубатыўым ушын, сени неге теңейин? Жарақатың теңиздей терең, Саған ким шыпа бере алады?
14. Пайғамбарларың көрген аянлар, Жалған ҳәм мәниссиз болып шықты. Абаданшылығыңды қайта тиклеў ушын, Қылмысларыңды бетиңе айтпады. Олар көрген жалған аянлар, Сени жолдан шығарды.
15. Жолдан өткенлер қол шошайтып, Қыз Ерусалим, сени табалап, бас шайқап: «Гөззаллық көрки, Пүткил дүньяның қуўанышы делинген қала усы ма?» – дейди.
16. Барлық душпанлар саған аўзын кең ашып, Табалап, тислерин қайрайды. «Бизлер оны жалмап жуттық! Мине, биз күткен күн! Ақыры бул күнге де жеттик, оны көрдик!» – дейди.
17. Жаратқан Ийе Өз нийетин әмелге асырды. Әййемги заманларда айтқанындай, Айтқан сөзин орынлады, Сени аяўсыз набыт қылды. Аўҳалыңа душпанларды шад қылды, Жаўларыңды күшке толтырды.
18. Ийеге қатты жалбарын! Ҳәй, қыз Сионның дийўалы! Күндиз-түни көз жасыңды дәрья киби ағыз, Өзиңе тынышлық берме, Көз жасың ҳасла тоқтамасын!
19. Тур, түни менен қайта-қайта жалбарын, Кеўлиңдегини Ийе дәргайында суў киби төк! Ҳәр бир көшениң басында, ашлықтан қулап атырған, Перзентлериңниң жаны ушын, Қол жайып, Оған жалбарын.
20. Қара, Жаратқан Ийе, халқыңның аўҳалын көр! Қайсы халықты бундай аўҳалға салған едиң? Ҳаяллар еркелетип өсирген балаларын жей ала ма? Руўханий ҳәм пайғамбарлар Мухаддес мәканда өлтириле ме?
21. Жасы-ғаррысы көшеде шаңға былғанып жатыр, Қыз-жигитлерим қылыштан қырылды. Ғәзебиң келген күни Сен оларды өлтирдиң, Ҳәммесин аяўсыз баўызладың.
22. Белгиленген байрам күниндегидей шақырып, Ҳәр тәрептен маған қарсы душпанларды жыйнадың. Жаратқан Ийениң ғәзеби келген күни, Ҳеш ким қашып қутыла алмады, Бирде биреўи жан сақлап қала алмады, Еркелетип өсиргенлеримди душпаным қырып таслады.
1. Қудайдың ғәзеп таяғын жеп, Азап шеккен адамман мен.
2. Ол мени айдап апарып, Жақты түспейтуғын қараңғылықта жүргизди.
3. Пүткил күн даўамында қайта-қайта, Тек маған қарсы қолын көтерди.
4. Етимди, теримди тоздырып, Сүйеклеримди сындырды.
5. Мени қамал қылып, Ҳәсиретли аўырманлық пенен қоршап алды.
6. Әзелде әлемнен өткенлер сыяқлы, Мени қараңғылықта жасаўға мәжбүрледи.
7. Қашпаўым ушын, әтирапымды дийўал менен қоршады, Аўыр шынжырлар менен кисенледи.
8. Пәрияд етип, жалбарынғанымда да, Ол дуўамды қабыл қылмады.
9. Жонылған таслар менен жолымды тосып, Соқпақларымды былғастырып таслады.
10. Қудай мен ушын буққыдағы айыўға, Жасырын жатқан арысланға уқсайды.
11. Ол мени жолымнан шығарып, тилкимледи, Дәрмансыз жалғыз қалдырды.
12. Оқ жайын керип, Мени оғына нышан қылды.
13. Оқ қалтасынан оқлар алып атып, Баўырымды тести.
14. Мен пүткил халқыма күлки болып, Күн бойы айтатуғын қосығына айландым.
15. Ол мени ашшы ҳәсиретке тойдырып, Жуўсанның ашшы суўын иштирди.
16. Өзимди топыраққа былғап, Тас пенен тислеримди сындырды.
17. Жаным тынышлықтан маҳрум болды, Бахыттың не екенин умыттым.
18. Өзиме өзим: «Шыдамым таўысылды, Жаратқан Ийеге болған үмитим сөнди», – дедим.
19. Азабым ҳәм сергизданлығым туўралы ойласам, Ашшы жуўсан ҳәм зәҳәр ишкендей боламан.
20. Жаным буны үзликсиз еске алып, Ишимде езилип атыр.
21. Бирақ мынаны жүрегиме түйип, Соннан үмит етемен:
22. Жаратқан Ийениң сүйиспеншилиги себепли, Биз жоқ болып кетпедик, Оның реҳимлилиги таўысылмайды.
23. Ҳәр күни азанда олар жаңара береди, Оның садықлығы уллы!
24. Мен ишимнен: «Жаратқан Ийе – мениң бар-жоғым, Сонлықтан мен Оған үмит байлайман», – дедим.
25. Жаратқан Ийе Өзине үмит байлағанларға, Өзин излегенлерге жақсылық қылады.
26. Жаратқан Ийениң қутқарыўын, Үнсиз күткен жақсы.
27. Жаслықта мойынтырыққа үйренген жақсы.
28. Адам үнсиз, жалғыз отырсын, Себеби бул аўырманлықты Жаратқан Ийе салды.
29. Ет бетинен жерге жығылсын, Бәлким, еле үмит бар шығар.
30. Өзин урғанға шекесин тутсын, Көрген хорлықты ишине жутсын.
31. Себеби Ийе, мәңгиге таслап қоймайды.
32. Ол қайғы келтирген болса да, Уллы мийрими менен реҳим қылады.
33. Адамзатты жазалап, азар берсе де, Буларды Ол жүрек қәлеўи менен қылмайды.
34. Үлкедеги барлық тутқынлар, Аяқ астында езилгенде,
35. Қудай Тааланың дәргайында, Адам ҳуқықынан маҳрум болғанда,
36. Даўа исинде адамға әдалатсызлық қылынғанда, Ийе буларды көрмей ме?
37. Буларды Ийениң Өзи буйырмаса, Ким айтып, жүзеге асырады?
38. Жаманлық та, жақсылық та, Қудай Тааланың аўзынан шықпай ма?
39. Өз гүналары ушын жазасын алса да, Тири қалған екен, адам неге шағым етсин?
40. Жолларымызды тексерип, сынап көрейик, Жаратқан Ийеге қайтып барайық.
41. Келиң, көклердеги Қудайға қолларымызды созып, Жүрегимизди ашып былай дейик:
42. «Бизлер қылмыс ислеп, бас көтердик, Сен де бизлерди кеширмедиң.
43. Ғәзепке минип, бизлерди қуўдаладың, Аяўсыз өлтирдиң.
44. Дуўаларымыз еситилмеўи ушын, Өзиң бултларға бүркенип алдың.
45. Бизлерди миллетлер арасында, Тасланды ҳәм сыпырындыққа айландырдың.
46. Барлық душпанларымыз аўзын кең ашып, Бизлерди табалады.
47. Қәўип ҳәм ҳийле, Қыйраў ҳәм ўайраншылық басымызға түсти».
48. Халқымның набыт болғаны себепли, Көз жасларым сел болып ағады.
49. Көз жасым тоқтамай, үзликсиз аға береди,
50. Жаратқан Ийе көклерден нәзер салып, көрмегенше.
51. Қаламдағы барлық қызлардың аўҳалын көрип, Жүрегим қайғы-ҳәсиретке батқан.
52. Ҳеш қандай себепсиз, Душпанларым мени қустай аўлады.
53. Жанымды алыў ушын шуқырға таслады, Үстимнен тас атты.
54. Суў басымнан асып кетти, Мен, өлдим деп ойладым.
55. Шуқырдың түбинен, Атыңды айтып шақырдым, о, Жаратқан Ийе.
56. «Қулағыңды жаўма, дадымды есит», – дедим. Сен жалбарынғанымды еситтиң.
57. Шақырғанымда, Сен маған жақынлап: «Қорқпа», – дедиң.
58. Ийе, Сен даўа-арзымды қорғап, Өмиримди сақлап қалдың.
59. Жаратқан Ийе, маған қылынған наҳақлықты Сен көрдиң, Даўама ҳақ ҳүкимиңди шығар.
60. Олардың қалай өш алмақшы екенин, Маған қарсы дүзген жобасын көрдиң.
61. Жаратқан Ийе, олардың мени қалай хорлағанын, Маған қарсы дүзген жобасын,
62. Душпанлардың күн бойы мениң үстимнен, Қалай гәп қылғанларын еситтиң.
63. Оларға нәзер сал! Отырса да, турса да, Мени қосық қылып, үстимнен күледи.
64. Оларға қоллары менен ислеген исине жараса, Жазасын бер, Жаратқан Ийе!
65. Олардың жүреклерин түнекке бүрке, Сениң ғарғысың үстилерине жаўсын!
66. Ғәзеп пенен олардың изинен қалмай, Көклериңниң астынан оларды жоқ қыл, Жаратқан Ийе!
1. Әттегене-ай! Қалайынша алтын қараўытты! Сап алтын жалтырамай қалды! Ҳәр көшениң басында, Мухаддес ҳасыл таслар шашылып жатыр.
2. Сионның әзиз балалары, Сап алтындай қәдирли еди. Эҳ, енди болса, гүлалшының қолынан шыққан, Ылай ыдыстай қәдирсиз болып қалды.
3. Ҳәтте, сағаллар да емшек берип, Өз балаларын емизеди. Бирақ мениң халқым шөлдеги түйеқус киби, Балаларына реҳимсиз болды.
4. Нәрестениң тили шөлден, Таңлайына жабысып қалды. Балалар нан сорап, тиленбекте, Бирақ оларға ҳеш ким бир тислем нан бермейди.
5. Ләззетли тағамлар жеп жасағанлар, Көшелерде ашлықтан набыт болмақта. Қырмызы кийим кийип өскенлер, Үйилген тасландылардан аўқат излемекте.
6. Халқымның жазасы, Адамзат қолы тийместен, Бир демде жоқ болған, Содомның жазасынан да аўыр.
7. Ерусалим жолбасшылары қардан да таза, Сүттен де ақ еди. Денелери яқыттай қызыл, Көриниси лазуритке мегзер еди.
8. Енди болса көмирден де қара, Көшелерде адам танып болмас оларды, Етлери сүйеклерине жабысып қалған, Кеўип қалған ағашқа айланған.
9. Ашлықтан өлгеннен гөре, Қылыштан өлген абзалырақ еди. Жердиң өниминен маҳрум болып, Ашлық азабынан жан тәслим қылды.
10. Мийримли ҳаяллар өз балаларын, Өз қоллары менен писирди. Халқым ўайран болған ўақытта, Перзентлери оларға азық болды.
11. Жаратқан Ийе қәҳәрин толық шашты, Лаўлаған ғәзебин төкти. Сионға қарсы тутандырған оты, Оның тийкарларын да жандырып жиберди.
12. Жер жүзиндеги патшалардың да, Дүньядағы инсанлардың да ҳеш бири, Ерусалим дәрўазаларын душпанлардың, Жаўлардың жарып өтетуғынына исенбеди.
13. Буларға Ерусалим пайғамбарларының гүнасы, Руўханийлериниң қылмысы себепши болды. Себеби олар қала ортасында, Әдиллердиң қанын төкти.
14. Енди олар соқыр адамдай, Көшелерде қаңғып жүр. Үстилери қан менен ҳарамланған, Оларға ҳеш кимниң жақынлағысы келмейди.
15. Халық оларға: «Жоқ болың, ҳәй, ҳарамылар! Кетиңлер, кетиңлер, қол тийгизбеңлер!» – деп бақырады. Олар солай қуўылып, сергиздан болады. Бирақ миллетлер арасында да оларға былай делинеди: «Бул жерден шығып кетиңлер!»
16. Жаратқан Ийениң Өзи оларды таратты, Ол енди оларға нәзер салмайды. Руўханийлерге ҳүрмет, Жасы үлкенлерге мийрим көрсетилмейди.
17. Бийҳуда жәрдем күтиўден, Көзлеримиз талды. Минарада турып күттик, Қутқара алмайтуғын халықты.
18. Душпан адымымызды аңлыды, Өз көшелеримизде жүре алмай қалдық. Әжел жетип, күнлеримиз таўысылды, Өмиримиз паянына жетти.
19. Бизди қуўдалағанлар, Көклердеги бүркиттен де шаққан. Олар таўларда бизлерди аўлады, Шөллерде аңлып жатты.
20. Өмиримиз деми, Жаратқан Ийениң майлаған патшасы, Олардың дузағына түсти. Бизлер ол туўралы: «Оның саясында, Миллетлер арасында жасаймыз», – деген едик.
21. Ҳәй, Ус елинде жасайтуғын, Қыз Эдом! Шадлан, қуўан! Бирақ саған да жаза кесеси жетип барады, Мәс болып, кийимиңди шешесең.
22. Ҳәй, қыз Сион! Қылмысыңның жазасы тамамланды, Ийе сени сүргинде узақ услап турмайды. Бирақ ҳәй, қыз Эдом, сениң гүналарыңды ашып таслап, Қылмысларың ушын сени жазалайды.
1. О, Жаратқан Ийе, басымызға түскенлер туўралы ойлап көр. Қара, қандай хор болғанымызды көр!
2. Бизге берген жериң жат жерлилерге, Үйлеримиз келгиндилерге қалды.
3. Бизлер әкесиз жетим болып қалдық, Аналарымыз жесирге айланды.
4. Суўымызды пул төлеп ишемиз, Отынымызды да сатып аламыз.
5. Мойнымызға мойынтырық салып жумсамақта, Қатты шаршадық, тынышлықтан жуда болғанбыз.
6. Қарнымызды тойдырыў ушын, Мысыр менен Ассирияға қол создық.
7. Ата-бабаларымыз гүна иследи, бирақ енди өзлери жоқ. Бизлер болсақ, олардың қылмысы ушын жазаланбақтамыз.
8. Қуллар үстимизден ҳүкимдарлық қылмақта, Олардың қолынан қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.
9. Даладағы қарақшының қылышы себепли, Жанымызды қәўип астына қойып нан табамыз.
10. Ашлықтың дәртинен, Тандырдан шыққандай лаплап тур теримиз.
11. Сионда ҳаяллардың, Яҳуда қалаларында қызлардың намысына тийди.
12. Жолбасшыларымыз олардың қолы менен асып қойылды, Ақсақалларымыз ҳүрмет етилмеди.
13. Жигитлер дигирман тартпақта, Балалар аўыр отын астында тентиреклемекте.
14. Ақсақаллар қала дәрўазасында мәсләҳәтлесип отырмайтуғын болды, Жас жигитлер артық қосық айтпайтуғын болды.
15. Жүрегимизди шадлық тәрк етти, Ойын-күлкимиз азаға айланды.
16. Басымыздан тажымыз түсип қалды, Гүна ислегенимиз ушын сорымыз қурыды!
17. Жүрегимиз түңилди, Жылай берип, көзлеримиз гүңгиртлести.
18. Себеби Сион таўы ҳүўлеп босап қалды, Сағаллар ол жерде ызғып жүр.
19. Сен болсаң, о, Жаратқан Ийе, мәңгиге ҳүкимдарлық қыласаң, Сениң тахтың әўладтан-әўладқа даўам етеди.
20. Неге Сен бизлерди пүткиллей умыттың? Неге бизлерди узақ ўақыт таслап қойдың?
21. Жаратқан Ийе, бизлерди Өзиңе қайтар, Бизлер қайтайық, Бизлерге бурынғы күнлеримизди қайтарып бер.
22. Сен бизлерден пүткиллей ўаз кешкен болсаң да, Ғәзебиң шексиз болса да, солай қыл.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.