Мухаддес Китап

Езекиел

1. Отызыншы жылдың төртинши айының бесинши күни еди. Мен Кебар каналының бойында сүргин етилгенлердиң арасында турғанымда, аспан ашылды ҳәм маған Қудайдан аянлар көрине баслады.
2. Айдың бесинши күни, яғный Ехония патшаның сүргиндеги ўақтының бесинши жылында,
3. калдейлердиң жериндеги Кебар каналы бойында маған, Бузий улы руўханий Езекиелге Қудайдан сөз түсти. Ол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди.
4. Қарап, арқадан күшли қуйынның киятырғанын көрдим. Ол от шашқан ҳәм нур менен қапланған үлкен булт еди. Оттың ортасында мыс сыяқлы бир нәрсе жалтырап турды.
5. От ортасында көриниси инсанға уқсаған төрт тири жанзаттың турғанын көрдим.
6. Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети ҳәм төрт қанаты бар еди.
7. Аяқлары дүзиў, ал табанлары тананикине уқсаған болып, жалтыраған қоладай сәўле шашып турды.
8. Төрт қапталындағы қанатларының астында адамның қоллары бар еди. Олардың бет-әлпети ҳәм қанатлары төрт қапталында болып,
9. қанатлары бир-бирине тийип турды. Жанзатлар жүргенде, бурылмай, туўры алға қарай ҳәрекетленди.
10. Олардың бет-әлпетиниң көриниси мынадай еди: төртеўиниң де алдынғы бет-әлпети адамдики, оң жағындағысы арысландики, шеп жағындағысы буғаники ҳәм артындағысы бүркиттики еди.
11. Олардың бет-әлпети усындай еди. Қанатлары болса, жоқарыға қарай жайылып турды. Ҳәр жанзаттың қанатларының екеўи қасындағы жанзатлардың қанатларына тийип турса, басқа еки қанаты өз денесин жаўып турды.
12. Олар тек алдыға қарай ҳәрекетленди. Ҳеш жаққа бурылмай, руўх қай жаққа бағдарласа, сол жаққа қарай жүрди.
13. Жанзатлардың көриниси жанып турған көмир шоғына ямаса жалаңлаған отқа мегзер еди. От жанзатлардың ортасында тынымсыз ҳәрекет етер еди. От жалын шашып, оннан шақмақ шағып турды.
14. Жанзатлардың өзлери де жылдырымдай тез ол жақтан бул жаққа барып келер еди.
15. Мен жанзатларға сер салғанымда, жерде, ҳәр бириниң жанында, бир дөңгелектен турғанын көрдим.
16. Төрт дөңгелектиң көриниси менен дүзилиси бирдей болып, сары яқыт киби жалтырап турды. Олардың көриниси ҳәм дүзилиси дөңгелектиң ишине кесесине дөңгелек салынғандай еди.
17. Жанзатлар қай тәрепке бағыт алса да, дөңгелеклер бурылмай-ақ төрт тәрепке де жылжый алатуғын еди.
18. Дөңгелеклердиң шеңберлери бәлент ҳәм қорқынышлы еди. Төртеўиниң де шеңбери айлана көзлер менен қапланған еди.
19. Жанзатлар қозғалғанда, жанларындағы дөңгелеклер де ҳәрекетке келетуғын еди. Жерден көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди.
20. Руўх қаяққа бағыт алса, олар да сол жаққа баратуғын, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Себеби жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтиретуғын еди.
21. Жанзатлар қозғалғанда, дөңгелеклер де қозғалатуғын, жанзатлар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, жанзатлар жер бетинен көтерилгенде, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Өйткени жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтирип турды.
22. Жанзатлардың басының үстинде гүмбезге уқсаған, кристаллдай жалтыраған ҳәм қорқынышлы бир нәрсе жайылып турған еди.
23. Жанзатлардың гүмбез астында жайған қанатлары бир-бирине қарай созылып турды. Олардың ҳәр бириниң денесин жаўып турған басқа еки қанаты да бар еди.
24. Жанзатлар қозғалғанда, қанатларының шуўылдысын еситтим. Ол күшли суўлардың шуўылдысына, Қүдирети күшли Қудайдың даўысына, саўаш майданындағы ләшкерлердиң шаўқымына уқсар еди. Жанзатлар тоқтағанда, қанатларын түсирип отырды.
25. Олар тоқтап, қанатларын түсирип отырғанда, гүмбез тәризли кеңисликтиң жоқарысынан бир даўысты еситтим.
26. Гүмбездиң үстинде лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсе бар еди. Онда инсан көринисинде биреў отырған еди.
27. Оның белинен жоқарысының иши отқа толып, жалтылдаған мыстай болып турғанын көрдим. Белинен төмениниң болса, отқа мегзес екенин көрдим. Оны жарқыраған нур қаплап турған еди.
28. Оның әтирапындағы нур жаўынлы күни бултта пайда болатуғын айқулаққа уқсар еди. Бул көринис Жаратқан Ийениң салтанатының көриниси еди. Буны көргенде, ет бетимнен жығылдым ҳәм биреўдиң сөйлеген даўысын еситтим.
1. Ол маған: – Инсан улы, орныңнан тур, Мен сениң менен сөйлеспекшимен, – деди.
2. Даўыс маған сөйлеп атырғанда, маған Руўх кирип алып, мени аяққа турғызды ҳәм мен сөйлеп турғанның сөзлерин еситтим.
3. Ол маған былай деди: – Инсан улы, Мен сени Маған қарсы бас көтерген қайсар миллет, Израил халқына жиберемен. Олар ҳәм олардың ата-бабалары усы күнге шекем Маған қарсы бас көтерип келмекте.
4. Бул халық қайсар ҳәм өжет. Мен сени оларға жиберемен. Сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – дейсең.
5. Бул қозғалаңшы халық сөзиңе қулақ сала ма, салмай ма, бәри бир өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билсин.
6. Ал сен болсаң, ҳәй инсан улы, олардан да, олардың сөзлеринен де қорқпа. Ҳәтте, тикенли путалар менен ошағанлар әтирапыңды қоршап алса да, шаянлар арасында жасасаң да қорқпа. Олардың сөзлеринен қорқпа, жүзлеринен айбынба, олар қозғалаңшы халық.
7. Сени тыңласа да, тыңламаса да, оларға сөзлеримди айт. Олар қозғалаңшы халық.
8. Сен болсаң, ҳәй инсан улы, Мениң айтқанларымды тыңла, бул қозғалаңшы халыққа уқсаған қайсар болма. Аўзыңды ашып, Мениң саған беретуғын нәрсемди же.
9. Қарасам, маған қарай бир қол созылды. Қолда бир орама қағаз бар еди.
10. Қол орама қағазды алдыма ашып қойды. Оның еки тәрепине де жоқлаў, қайғы ҳәм ҳәсирет сөзлери жазылған еди.
1. Ол маған: – Инсан улы, алдыңдағы бул орама қағазды же, кейин барып, Израил халқы менен сөйлес, – деди.
2. Мен аўзымды аштым, Ол маған орама қағазды жеўге берди.
3. Кейин маған: – Инсан улы, Мен өзиңе берип атырған усы орама қағазды жеп, қарныңды тойдыр, – деди. Мен орама қағазды жедим, ол аўзымда палдай татлы болды.
4. Ол маған және былай деди: – Инсан улы, енди барып, Израил халқына Мениң сөзлеримди айт.
5. Сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр халыққа емес, ал Израил халқына жиберип атырман.
6. Егер Мен сени түсиниксиз сөйлейтуғын, тили аўыр ҳәм сөзлерине түсинип болмайтуғын көп миллетлер арасына жибергенимде еди, олар саған сөзсиз қулақ салған болар еди.
7. Бирақ Израил халқы саған қулақ салмайды, олар, ҳәтте, Маған да қулақ салмайды. Өйткени пүткил Израил халқы өжет ҳәм қайсар.
8. Мине, Мен сени де олардың өзлери сыяқлы өжет ҳәм қайсар қыламан.
9. Мен сени мийтиндей беккем қыламан. Олар қозғалаңшы халық болса да, олардан қорқып, қәўетерленбе.
10. Ол маған және мыналарды айтты: – Инсан улы! Мениң саған айтқанларымды дыққат пенен тыңлап, ҳәммесин жүрегиңде сақла!
11. Енди сүргиндеги жерлеслериңе бар да, тыңласа да, тыңламаса да, оларға: «Қудай Ийе былай демекте», – деп айт.
12. Кейин Руўх мени көтерип алды. Сонда мен арт жағымнан: «Жаратқан Ийениң салтанаты Өз мәканында алғыслансын», – деген бәлент, гүмбирлеген даўысты еситтим.
13. Бул жанзатлардың қанатларының бир-бирине тийген ҳәм олардың жанындағы дөңгелеклердиң гүмбирлеген даўысы еди.
14. Руўх мени жоқары көтерип, басқа жаққа алып кетти. Мен болсам, ҳәсиретке ҳәм ғәзепке толып, кете бердим. Жаратқан Ийениң үстиме созылған қолы аўыр еди.
15. Кейин мен Кебар каналының бойындағы Тел-Абибте жасап атырған сүргиндегилерге бардым. Сол жерде олардың арасында жети күн даўамында өзиме келе алмай, аң-таң болып отырдым.
16. Сол жети күн өткеннен кейин, Жаратқан Ийеден маған сөз түсти
17. – Инсан улы! Мен сени Израил халқына гүзетши етип тайынладым. Мениң айтқан сөзлеримди тыңлап, оларды Мениң атымнан ескерт.
18. Егер Мен наҳаққа: «Сен сөзсиз өлесең», – десем, ал сен оның өмирин сақлап қалыў ушын, оның менен сөйлесип, наҳақлық жолынан қайтыўды ескертпесең, онда ол өз гүнасы ушын өледи. Ал Мен оның қанының қунын сеннен талап қыламан.
19. Егер сен наҳақты ескертсең, бирақ ол жаўызлығынан да, наҳақлық жолынан да қайтпаса, онда ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң.
20. Егер ҳақ адам ҳақлығынан бас тартып, жаўызлыққа қол урса, Мен оны сүрниктиремен, ол өледи. Сен оған ескертпегениң себепли, ол өз гүнасы ушын өледи ҳәм ислеген жақсы ислери еске алынбайды. Ал Мен оның қанының қунын сеннен талап етемен.
21. Егер сен ҳақ адамға гүна ислемеўди ескертсең ҳәм ол гүна ислемесе, онда ол сөзсиз жасайды. Себеби ол ескертиўге қулақ салды, ал сен болсаң, өз жаныңды сақлап қаласаң.
22. Сол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды ҳәм Ол маған: – Турып, ойпатлыққа түс, Мен сениң менен сол жерде сөйлесемен, – деди.
23. Мен турып, ойпатлыққа түстим. Сол жерде Жаратқан Ийениң салтанаты маған Кебар каналы жанында көрингендей болып тур екен. Мен ет бетимнен жерге жығылдым.
24. Руўх маған кирип, мени аяққа турғызып қойды. Ол маған тил қатып былай деди: – Үйиңе кирип, есигиңди иштен илип ал.
25. Енди болса, инсан улы, сени арқан менен шырмап байлап таслайды. Сөйтип, сен халықтың арасына шыға алмайсаң.
26. Бул қозғалаңшы халықты әшкараламаўың ушын, Мен сени гүң қылып, тилиңди таңлайыңа жабыстырып таслайман.
27. Бирақ саған тил қатқанымда, сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – деп айтыўың ушын сени тилге киргиземен. Тыңлағысы келгенлер тыңласын, тыңлағысы келмегенлер тыңламай-ақ қойсын. Ақыры, олар қозғалаңшы халық ғой!
1. – Инсан улы! Енди бир гербиш алып алдыңа қой, оның үстине Ерусалим қаласының сүўретин сал.
2. Қаланы қоршаўға алып, оған қарсы бекинислер қур, дийўалға топырақ үй, душпан ордасын қур ҳәм қала айланасына дийўал бузатуғын үскенелерди орнат.
3. Кейин темир таба алып, оны өзиң менен қаланың ортасына темир дийўал етип орнат. Кейин жүзиңди қалаға қарат. Қала қамал қылынады, сен оны қамал қылған боласаң. Бул Израил халқы ушын ескертиў болады.
4. Соңынан шеп қапталың менен жамбаслап жатып, Израил халқының гүнасын үстиңе жүкле. Шеп жағың менен қанша күн жатсаң, сонша күн олардың гүнасын өзиңе жүклейсең.
5. Олардың гүна қылған жылларының санына бола, сен ушын сонша күн ажыраттым. Сен үш жүз тоқсан күн даўамында Израил халқының гүнасын өзиңе жүклейсең.
6. Белгиленген ўақыт тамам болғаннан кейин, оң жағыңа жамбаслап жат, енди Яҳуда халқының гүнасын өзиңе аласаң. Мен ҳәр жылды бир күн деп есаплап, саған қырық күн белгиледим.
7. Ерусалимниң қамал қылынған дийўалларына жүзиңди қарат, билегиңди түрип, оған қарсы пайғамбаршылық қыл.
8. Қаланы қамал қылған күнлериң питпегенше, Мен сени бир жағыңнан екинши жағыңа аўнай алмайтуғындай етип, арқан менен байлап таслайман.
9. Енди бийдай, арпа, ақ ҳәм қызыл лобия, тары ҳәм жазлық бийдай алып, бир ыдысқа сал ҳәм нан писир. Оны үш жүз тоқсан күн бир жағыңда жатқаныңда жейсең.
10. Ҳәр күни жейтуғын наныңның муғдары жигирма шекелдиң аўырлығына тең болады, оны белгиленген ўақытта жейсең.
11. Суўды да өлшеп ишесең, оның муғдары ҳинниң алтыдан бир бөлегине тең болады. Оны да белгиленген ўақытта ишесең.
12. Наныңды арпа гүлшелериндей етип таярлап же. Оларды адамлардың көз алдында, адамның үлкен дәретине писир.
13. Жаратқан Ийе тағы: – Мен Израил халқын басқа миллетлер арасына сүргин қылғанымда, олар ҳарам нан жейди, – деди.
14. Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Мен ҳеш қашан өзимди ҳарамламағанман. Жаслығымнан усы күнге дейин, ҳеш қашан ҳарам өлген яки жыртқыш талап өлтирген ҳайўанды жемегенмен. Ҳеш қандай ҳарам гөшти аўзыма алған емеспен, – дедим.
15. – Яқшы, – деди Ол, – наныңды адам дәретиниң орнына, малдың тезегине писириўиңе рухсат беремен.
16. Соңынан Ол маған былай деди: – Инсан улы! Мен Ерусалимди бир тислем нанға зар қыламан. Олар қорқыў ишинде нанын өлшеп жейди ҳәм ғулғылаға түсип, суўын өлшеп ишеди.
17. Суў ҳәм нан жетиспейди. Адамлар қорқыныштан естен айырылады ҳәм гүналарының зардабынан димарлары қурыйды.
1. – Инсан улы! Өткир бир қылыш ал, оны пәки орнына пайдаланып, шашың менен сақалыңды қырқып тасла. Кейин шашыңды өлшеў ушын тәрези алып, оларды бөлеклерге бөл.
2. Қаланың қамал күнлери тамамланғанда, шашыңның үштен бир бөлегин гербишке сызылған қаланың үстинде жандыр. Үштен бир бөлегин қала әтирапына шашып таслап, қылыш пенен майдала. Қалған үштен бирин самалға ушырып жибер. Мен де қылышымды жалаңашлап, қала турғынларының изинен қуўаман.
3. Бирақ шашыңның бир неше талын алып, шапаныңның шалғайына таңып қой.
4. Олардан және бир нешеўин алып, отқа таслап, өртеп жибер. Сол жерден шыққан от пүткил Израил халқына тарайды.
5. Қудай Ийе былай дейди: Бул Ерусалим, оны Мен миллетлердиң қақ ортасына, ал басқа миллетлерди оның айланасына жайластырдым.
6. Бирақ Ерусалим айланасындағы барлық миллетлерден ҳәм еллерден бетер жаманлық қылып, Мениң нызамларыма ҳәм қағыйдаларыма қарсы бас көтерди. Мениң нызамларымнан ўаз кешти ҳәм қағыйдаларыма бойсынбады.
7. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлер айланаңыздағы миллетлерден де бетер бас көтергиш болып кеттиңлер. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмадыңлар, нызамларыма бойсынбадыңлар, ҳәтте, әтирапыңыздағы миллетлердиң дәстүрлери бойынша да ҳәрекет етпедиңлер.
8. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен Өзим саған қарсы шығаман. Сени миллетлердиң көз алдында жазалайман.
9. Қылған жеркенишли ислериң себепли, Мен саған бурын ислемеген ҳәм келешекте де ислемейтуғын бир исти қыламан.
10. Сонда ашлықтан сендеги ата-аналар балаларының, балалар атааналарының етин жейди. Мен сизлерди жазалайман ҳәм тири қалғанларды самалға суўыраман.
11. Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – барлық жеркенишли мүсинлериң ҳәм бузық дәстүрлериң менен сен Мухаддес мәканымды ҳарамладың. Мен сени сақал қырыққандай етип қырқып таслайман, аямайман, реҳим де қылмайман.
12. Халқыңның үштен бири иллеттен ямаса ашлықтан қала ишинде өледи, үштен бири қала әтирапында қылыштан қырылады, ал қалған үштен бирин самалға суўыраман ҳәм қылышымды жалаңашлап, олардың изинен қуўаман.
13. Оларға ғәзебимди толық шашып болғаннан кейин, қәҳәрим басылады ҳәм Мен тынышланаман. Қәҳәримди оларға толық шашып болғаннан кейин, олар Мениң, Жаратқан Ийениң қызғаныш пенен айтқанын билип алады.
14. Айналаңдағы халықлардың ҳәм сен арқалы өтетуғын ҳәр бир адамның көз алдында сени қыйратып таслап, масқара қыламан.
15. Мен сизлерди ашыў ҳәм ғәзеп пенен ҳүким қылып, аўыр жаза менен жазалағанымда, сен айналаңдағы халықларға масқара болып, күлкиге қаласаң, олар буннан қорқыўға түсип, сабақ алады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
16. Сизлерди жоқ қылыў ушын, үстиңизге ашлықтың набыт қылыўшы оқларын атаман. Ашлығыңды күшейтип, бир тислем нанға зар қыламан.
17. Мен саған ашлықты ҳәм жабайы аңларды жиберемен, олар сени балаларыңнан айырады. Иллет ҳәм қан төгиспе елди жайлайды, үстиңе қылыш дөндиремен. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Израил таўларына жүзиңди қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық етип,
3. былай деп айт: «Ҳәй, Израил таўлары, Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе таўларға, төбелерге, сай-салаларға ҳәм ойпатлықларға былай дейди: Қараңлар, Мен сизлерге қарсы қылыш жиберемен, сыйыныў орынларыңызды қыйратаман.
4. Қурбанлық орынларыңыз ўайран қылынады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз қыйратылады, өлтирилген адамларыңызды бутларыңыздың алдына ылақтыраман.
5. Мен Израил халқының өли денелерин олардың бутларының алдына таслайман ҳәм сүйеклериңизди қурбанлық орынларыңыздың дөгерегине шашаман.
6. Сизлер қай жерде жасасаңыз да, қалаларыңыз ўайран болады, сыйыныў орынларыңыз қыйрайды. Сонда қурбанлық орынларыңыз ўайран болып, қаңырап қалады, бутларыңыз бөлекленип, жер менен жексен болады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз сындырып тасланып, қол мийнетиңиз түп-тамыры менен жоқ қылынады.
7. Араңызда өлтирилгенлер қулап жатады, сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
8. Бирақ Мен базыларды аман қалдыраман. Сизлер ел бойлап тарқатып жиберилгениңизде, айырымларыңыз басқа миллетлер арасында қылыштан қутылып қаласыз.
9. Аман қалғанлар сүргин етип алып кетилген жериндеги миллетлер арасында Мени еслейди. Меннен жүз бурған опасыз жүреклери ҳәм бутлардың изинен қараған бузық көзлери себепли қаншелли ҳәсирет шектим. Олар ислеген жаманлықлары ҳәм жеркенишли ислери ушын өзлеринен өзлери жеркенеди.
10. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен оларға бул апатшылықты жиберемен деп, бостанбосқа айбат еткеним жоқ».
11. Қудай Ийе былай демекте: «Ашыў менен алақаныңды алақаныңа урып, жерди теўип былай деп айт: Ислеген барлық жаўыз ҳәм жеркенишли ислери ушын израиллылардың соры қурыйды! Олар қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен қырылады.
12. Узақтағылар иллеттен өледи, жақындағылар қылыштан қырылады. Қутылып, аман қалғанлар ашлықтан набыт болады. Усылайынша, Мен оларға ғәзебимди толық шашаман.
13. Қурбанлық орынларының әтирапындағы бутлардың арасында, ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм барлық таўдың төбелеринде, ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң ҳәм ҳәр бир саялы теребинф астында, яғный бутларына хош ийисли түтетки түтеткен жерлерде қырылғанлар созылып жатқанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
14. Мен оларға қолымды көтерип, шөлден Диблаға шекемги, олар жасаған барлық жерлерди қаңыратып, бос қалдыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Қудай Ийе Израил жерине былай дейди: «Ақыры жетти! Жердиң төрт тәрепиниң ақыры жетти!
3. Мине, сениң ақырың жетти! Мен сениң үстиңе ғәзебимди шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман.
4. Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
5. Қудай Ийе былай дейди: Апат үстине апат! Қараңлар, апат келмекте!
6. Ақырың жетти, аўа, күниң паянына жетти! Ол саған қарсы көтерилди. Қара, ол киятыр!
7. Саған қырғын келди, саған келди, ҳәй, елдиң турғыны! Ўақыт жетти, күн жақын. Таўларда қуўаныш емес, ала-сапыран ҳүким сүреди.
8. Тез арада Мен саған қәҳәримди төгемен ҳәм ғәзебимди толық шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман.
9. Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлерди жазалаған Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
10. Мине ол, сол күн! Мине, ол келди: қырғын көгерип шықты, зорлық гүлледи, менменлик бүртик жарды.
11. Зорлық нызамсызлықты жазалайтуғын таяқ болып өсип шықты. Халықтан ҳеш ким қалмады. Олардың молшылығы да, байлығы да, салтанаты да қалмады.
12. Ўақыт келди, сол күн жақынласты. Сатып алған қуўанбасын, сатқан ғам шекпесин. Себеби Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады.
13. Жерин сатқан адам өмириниң ақырына дейин сатқан жерин қайтарып ала алмайды. Өйткени аян пүткил аламанға тийисли, ол өзгермейди. Өзлериниң гүнасы себепли олардың биреўи де өмирин сақлап қала алмайды.
14. Кәрнайлар шалынды, ҳәммеси таяр. Бирақ ҳеш ким саўашқа түспейди, өйткени Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады.
15. Сыртта қылыш, иште иллет ҳәм ашлық. Даладағылар қылыштан, қала ишиндегилер ашлықтан ҳәм иллеттен өледи.
16. Аман қалғанлар ойпатлықтағы кептерлердей таўға қашады. Олардың ҳәр бири өз гүнасы ушын зар еңирейди.
17. Қолларында ҳал қалмайды, дизелериниң мәдары қурыйды.
18. Олар аза кийимин кийеди, оларды қорқыныш бийлейди. Ҳәммесиниң жүзи уяттан қызарып, барлығы шашларын тықырлап алдырады.
19. Олар гүмисин көшеге ылақтырады, алтыны ҳарам саналады. Жаратқан Ийениң ғәзеп күнинде гүмис ҳәм алтыны оларды қутқара алмайды, ашлықтан да сақламайды, қарнын да тойдырмайды. Алтын ҳәм гүмис оларды гүнаға баслаған еди.
20. Өзлери мақтанып жүрген әжайып тағыншақларынан олар жеркенишли бутларының мүсинлерин ҳәм ҳарамы нәрселерин ислетти. Сонлықтан Мен бул байлықларын олар ушын ҳарам қылдым.
21. Мен оларды жат жерлилерге олжа қыламан, жер бетиндеги жаўызларға талатаман. Жаўызлар оларды ҳарамлайды.
22. Мен оларға нәзер салмайман, олар Мениң қәдирли орнымды ҳарамлайды. Басқыншылар сол жерге кирип, оны ҳарамлайды.
23. Шынжырлар таярлаң! Ел қанлы жынаятқа, қала зорлыққа толып кеткен.
24. Мен миллетлердиң ең жаўызын жиберемен. Олар халқымның үйлерин басып алады. Күшлилердиң менменлигине шек қояман, олардың мухаддес орынлары ҳарам қылынады.
25. Қорқыныш келгенде, олар тынышлық излей баслайды, бирақ тынышлық болмайды.
26. Апат изинен апат келеди, мыш-мыш изинен мыш-мыш тарқалады. Олар пайғамбарлардан бийкарға аянлар сорайды, руўханийлер тәлим бериўден, ақсақаллар кеңес бериўден жуда болады.
27. Патша ғамға батады, ҳүкимдарын қорқыныш бийлейди, ел халқының қолы иске бармайды. Оларды тутқан жолларына сай жазалайман, өз ҳүкимлерине ылайықлы ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың алтыншы жылының алтыншы айының бесинши күни мен үйимде отырған едим, Яҳуда ақсақаллары да мениң жанымда еди. Сонда Қудай Ийе қолын үстиме қойды.
2. Қарағанымда, жалынға уқсаған биреўди көрдим. Оның белинен төмени жалынға уқсайды, белинен жоқарысы болса, мыстай жарқырап турған еди.
3. Ол қолға уқсаған бир нәрсени созып, мениң шашымнан услап алды. Руўх мени жер ҳәм көк аралығына көтерди ҳәм Қудайдың аянында мени Ерусалимге, Ибадатхананың ишки ҳәўлисиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып барды. Ол жерде Қудайдың қызғанышын оятқан бут турған еди.
4. Сол жерде маған Израилдың Қудайының салтанаты көринди. Мен бундай аянды ойпатлықта да көрген едим.
5. Қудай маған: – Инсан улы! Арқа тәрепке қара, – деди. Қарасам, қурбанлық орын жанындағы дәрўазаның арқа тәрепинде сол қызғаныш оятатуғын буттың мүсини турған екен.
6. Қудай маған және былай деди: – Инсан улы, сен олардың не ислеп атырғанын көрип турсаң ба? Израил халқы бул жерде жүдә жеркенишли ислерди ислеўи арқалы Мени Мухаддес мәканымнан узақластырмақта. Бирақ сен буннан да бетер жеркенишли нәрселерди көресең.
7. Ол мени ҳәўлиниң кирер аўзына алып келди. Қарасам, дийўалда бир тесик бар екен.
8. Ол маған: – Инсан улы! Дийўалды тес, – деди. Мен дийўалды тестим ҳәм ол жерде бир қапыны көрдим.
9. Ол маған: – Кирип, олар бул жерде ислеп атырған жүдә жеркенишли ислерди көр, – деди.
10. Мен ишке кирип қарағанымда, дийўалды айландырып ҳәр қыйлы жер баўырлаўшылардың, жеркенишли ҳайўанлардың ҳәм израиллылардың барлық бут мүсинлериниң сүўретлериниң салынғанын көрдим.
11. Олардың алдында израиллылардың жетпис ақсақалы ҳәм ақсақаллардың арасында Шафан улы Язания турған еди. Олардың ҳәр бириниң қолында түтетки түтетилетуғын ыдыс болып, ыдыстан шыққан хош ийис бултлар киби жоқарыға көтерилип турды.
12. Кейин Қудай маған былай деди: – Инсан улы! Израил ақсақалларының ҳәр бириниң қараңғылықта, өзлериниң бутларының бөлмелеринде нелер ислеп атырғанын көрдиң бе? Олар: «Жаратқан Ийе бизлерди көрмейди, Жаратқан Ийе елди тәрк еткен», – дейди.
13. Ол маған тағы да: – Сен олардың буннан да бетер жеркенишли ислерди ислегенин көресең, – деди.
14. Соңынан Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң арқа дәрўазасының кирер аўзына алып келди. Мен ол жерде Таммуз деген қудай ушын аза тутып жылап отырған ҳаялларды көрдим.
15. Ол маған: – Буны көрдиң бе, инсан улы? Сен буннан да бетер жеркенишли ислерди көресең, – деди.
16. Ол мени Жаратқан Ийениң Үйиниң ишки ҳәўлисине алып келди. Ол жерде, Ибадатхананың кирер аўзында, айўан ҳәм қурбанлық орын аралығында жигирма беске жақын еркек бар еди. Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арқасын, ал шығысқа жүзин қаратып, шығыстағы қуяшқа табынып атырған еди.
17. Ол маған былай деди: – Көрдиң бе, инсан улы? Яҳуда халқының бул жерде ислеп атырған жеркенишли ислери жетерли емес пе еди? Буған қоса, олар жерди зорабанлыққа толтырмақта ҳәм Мениң ғәзебимди қаттырақ қозғатпақта. Олардың Маған қалай тил тийгизип атырғанына қара!
18. Соның ушын Мен ғәзеп атына минемен. Мен оларды аямайман, реҳим де етпеймен. Бар даўысы менен бақырып жалбарынса да, оларды тыңламайман.
1. Кейин мен Жаратқан Ийениң бәлент даўыс пенен: – Қаланы жазалаў ушын тайынланғанлар, ҳәр бириңиз қуралларыңызды алып берман келиң! – деп бақырғанын еситтим.
2. Мен арқаға қарап турған жоқарғы дәрўаза тәрептен киятырған алты еркекти көрдим. Олардың ҳәр бириниң қолында қырғын қылыўшы қурал бар еди. Олардың жанында зығырдан кийим кийген, белине жазыў қуралларын асып алған биреў бар еди. Олар ишке кирип, қола қурбанлық орынның қасында турды.
3. Керублар үстиндеги Израилдың Қудайының салтанаты өз орнынан көтерилип, Ибадатхананың босағасына барды. Жаратқан Ийе зығыр кийим кийип, белине жазыў қуралларын асып алған адамды шақырып,
4. оған: – Ерусалим қаласын айланып шық ҳәм қалада исленип атырған жеркенишли ислерден нала шегип, зарлап атырғанлардың маңлайына белги қой, – деди.
5. Басқа алты адамға Оның былай дегенин еситтим: – Оның изинен қаланы айланып, адамларды қырып таслаң, аямаң, реҳим етпең.
6. Ғаррыларды, жигит ҳәм қызларды, балаларды ҳәм ҳаялларды қырып таслаң. Бирақ маңлайында белгиси барларға тиймең. Мениң Мухаддес мәканымнан баслаң. Олар Ибадатхана алдында турған ақсақаллардан баслады.
7. Қудай алты адамға: – Ҳәўлилерди өли денелерге толтырып, Ибадатхананы ҳарамлаң. Қәне, баслаңлар! – деди. Олар барып, қаладағыларды қыра баслады.
8. Олар адамларды өлтиргенде, жалғыз өзим қалған мен ет бетимнен жерге жығылып, пәрияд етип: – Аҳ, Қудай Ийе! Ғәзебиңди Ерусалимге шашып, Израилда тири қалғанлардың ҳәммесин қырып жибермекшимисең? – дедим.
9. Ол маған былай деп жуўап берди: – Израил ҳәм Яҳуданың гүнасы жүдә аўыр, ел қанға, қала әдалатсызлыққа толған. Адамлар: «Жаратқан Ийе елди тәрк етти, Жаратқан Ийе көрмейди», – дейди.
10. Мен де оларды аямайман, реҳим де етпеймен. Тутқан жолларына жараса жазасын беремен.
11. Сол арада зығыр кийим кийип, белине жазыў қуралларын асқан адам қайтып келип: – Мен буйырғаныңдай қылдым, – деп хабарлады.
1. Мен керублардың үсти бетиндеги гүмбездиң жоқарысында лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсени көрдим.
2. Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға: – Керублар астындағы дөңгелеклер арасына кир. Керублар арасында жанып турған көмирден бир қосыўыс алып, оны қалаға шаш, – деди. Ол адам дөңгелеклер арасына кирди, мен көрип турдым.
3. Ол адам киргенде, керублар Ибадатхананың қубла тәрепинде турған еди. Ишки ҳәўли бултқа толды.
4. Жаратқан Ийениң салтанаты керублардан айырылып, Ибадатхананың босағасына келип турды. Ибадатхана бултқа толды, ал ҳәўли Жаратқан Ийениң салтанатының нурына толды.
5. Керублардың қанатларының даўысы Қүдирети күшли Қудайдың сөйлегендеги даўысына уқсап, сыртқы ҳәўлиден еситилип турды.
6. Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға: «Дөңгелеклердиң арасынан, керублардың арасынан от алып шық», – деп буйрық бергенде, адам кирип, дөңгелектиң арасында турды.
7. Сонда керублардың бири өзлериниң жанындағы отқа қолын созып, бираз от алып зығыр кийим кийген адамның алақанына салды. Адам отты алып, ол жерден шықты.
8. Керублардың қанатлары астында адамның қолына уқсаған нәрсе көринди.
9. Қарағанымда, керублардың жанында төрт дөңгелекти көрдим. Ҳәр бир керубтың жанында бир дөңгелектен болып, дөңгелеклер сары яқыт киби жалтылдар еди.
10. Олардың төртеўиниң де көриниси бирдей болып, ҳәр дөңгелектиң ишинде кесесине салынған және бир дөңгелектен бар еди.
11. Олар қозғалғанда, төрт тәрепке де ҳәрекет ете алатуғын еди. Бас қай жаққа бағытланса, олар бурылмастан, сол жаққа жүрди. Жүргенде олар ҳеш жаққа бурылмады.
12. Олардың пүткил денеси, арқасы, қоллары, қанатлары ҳәм дөңгелеклери, барлық төрт дөңгелеги де көзлер менен қапланған еди.
13. Дөңгелеклердиң «қуйын» деп айтылатуғынын еситип қалдым.
14. Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети бар еди: биринши бетәлпети – керубтики, екиншиси – адамдики, үшиншиси – арысландики, төртиншиси – бүркиттики еди.
15. Керублар көтерилди. Олар мениң Кебар каналы бойында көрген жанзатларым еди.
16. Керублар жүргенде, жанындағы дөңгелеклер де жүретуғын еди. Керублар жерден көтерилиў ушын қанатларын жайғанда, дөңгелеклер де олардан айырылмай жүрди.
17. Жанзатлардың руўхы дөңгелеклерде болғанлықтан, олар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, олар көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди.
18. Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананың босағасынан кетип, керублардың үстинде турды.
19. Керублар қанатларын қағып, мениң көз алдымда жерден көтерилди. Дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилип, Жаратқан Ийениң Үйиниң шығыс дәрўазасының кирер аўзында тоқтады. Израилдың Қудайының салтанаты олардың үстинде еди.
20. Бул жанзатларды мен Кебар каналы бойында, Израилдың Қудайының төменги жағында көрген едим. Мен олардың керублар екенин енди билдим.
21. Ҳәр бир керубтың төрт бет-әлпети, төрт қанаты ҳәм қанатларының астында адам қолына уқсаған қоллары бар еди.
22. Олардың бет-әлпети де, көриниси де, өзлери де мен сол Кебар каналы бойында көргенлериме уқсайтуғын еди. Ҳәр бири туппа-туўры алдыға қарай жүретуғын еди.
1. Руўх мени көтерип, Жаратқан Ийениң Үйиниң шығыс дәрўазасына алып келди. Дәрўазаның кирер аўзында жигирма бес адам бар еди. Олардың арасында мен халық жетекшилеринен Аззур улы Язанияны, Беная улы Пелатияны көрдим.
2. Жаратқан Ийе маған: – Инсан улы! Жаўыз нийетли мына адамлар қаладағыларға жаман кеңес берип:
3. «Үй салатуғын ўақыт жеткен жоқ па? Үйимиз қазан, ал бизлер оның ишиндеги гөшпиз», – деп жүр.
4. Сонлықтан оларға қарсы пайғамбаршылық ет, пайғамбаршылық ет, инсан улы!
5. Соңынан Жаратқан Ийениң Руўхы үстиме түсип, маған мыналарды айтыўды буйырды: «Жаратқан Ийе былай дейди: Израил халқы, сизлердиң не айтқаныңызды ҳәм не ойлағаныңызды Мен билемен.
6. Сизлер бул қалада көп адамларды өлтирип, көшелерин өли денелерге толтырдыңыз.
7. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлер қалада қалдырған өлилер – гөш, ал қала – қазан болады. Бирақ өзлериңизди бул қаладан қуўып шығараман.
8. Сизлер қылыштан қорқасыз, Мен сизлерге қылыш жаўдыраман, – дейди Қудай Ийе.
9. – Сизлерди қаладан қуўып шығарып, өзлериңизди басқалардың қолына тапсыраман ҳәм үстиңизден ҳүким шығараман.
10. Сизлер қылыштан қырыласыз, сизлерди Израил шегаралары ишинде ҳүким қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
11. Қала сизлерге ҳеш қашан қазан, ал сизлер оның ишиндеги гөш болмайсызлар. Сизлерди Израил шегаралары ишинде ҳүким етемен.
12. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. Сизлер Мениң қағыйдаларыма әмел қылмадыңыз, нызамларыма бойсынбадыңыз. Керисинше, айналаңыздағы халықлардың әдетлерине сай жасадыңыз».
13. Мен пайғамбаршылық қылып атырғанымда, Беная улы Пелатия жан тапсырды. Мен ет бетимнен жерге жығылып: – Аҳ, Қудай Ийе, Израилдың аман қалғанларын толық қырып тасламақшымысаң? – деп даўыслап жибердим.
14. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
15. – Инсан улы! Туўысқанларың, қанласларың ҳәм пүткил Израил халқы туўралы Ерусалим турғынлары былай деп айтпақта: «Жаратқан Ийеден аўлақ жасаң, бул жер бизлерге мүлик қылып берилди».
16. Сонлықтан сүргинде болғанларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен оларды узақтағы миллетлер арасына жиберип, жер бойлап тарқатқан болсам да, олар барған жерлеринде Маған сыйынады, бирақ мухаддес орын болмайды».
17. – Кейин оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен сизлерди халықлар арасынан жыйнап аламан, тарқап кеткен жерлериңизден қайтараман ҳәм сизлерге Израил жерин беремен.
18. Халқым қайтып келгенде, барлық жеркенишли ҳәм ҳарам нәрселерди ол жерден алып таслайды.
19. Оларға бир тутас жүрек берип, жаңа руўх сыйлайман. Денесинен тас жүректи алып таслап, жумсақ жүрек беремен.
20. Сонда олар қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынып, оларды орынлап жасайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан.
21. Ал жүреклери жеркенишли ҳәм ҳарамы ислерге қумар адамларды ислерине жараса жазалайман, – дейди Қудай Ийе».
22. Кейин керублар қанатларын жайды, дөңгелеклер де олардың жанында еди. Израилдың Қудайының салтанаты олардың үстинде еди.
23. Жаратқан Ийениң салтанаты қаланың ишинен көтерилип, қала шығысындағы таўдың үстинде тоқтады.
24. Қудайдың Руўхы арқалы көрген аянда Руўх мени көтерип, калдейлердиң елиндеги сүргин етилгенлердиң арасына алып келди. Кейин мен көрген аян мени тәрк етти.
25. Мен Жаратқан Ийениң аян қылғанларының ҳәммесин сүргиндегилерге айтып бердим.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Сен қозғалаңшы халық арасында жасап атырсаң. Олардың көриўге көзи бар, бирақ көрмейди, еситиўге қулағы бар, бирақ еситпейди. Өйткени олар қозғалаңшы халық.
3. Сен, инсан улы, сүргин қылынған адам киби затларыңды таярлап, күндиз олардың көз алдында жолға шық. Олардың көз алдында өз орныңнан басқа жерге көш. Олар қозғалаңшы халық болса да, бәлким, түсинер.
4. Көшиўге керек нәрселериңди күндиз сыртқа шығарып қой, ал өзиң, олардың көз алдында сүргин қылынған адам киби кеште жолға шық.
5. Дийўалды тесип, түйиншигиңди сол тесиктен алып шық.
6. Олардың көзинше түйиншикти желкеңе салып, қараңғылыққа сүңгип кет. Тәрк етип атырған жерди көрмеў ушын жүзиңди жаўып ал. Себеби Мен сени Израил халқы ушын бир белги қылдым.
7. Мен буйырылғанларды иследим. Сүргинге керек нәрселердей етип, затларымды күндиз шығарып қойдым. Кеште дийўалды қолым менен ойдым. Қас қарайғанда, түйиншигимди шығарып, адамлардың көз алдында оны желкеме салдым.
8. Азанда маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9. – Инсан улы! Бул қозғалаңшы Израил халқы сеннен не қылып атырғаныңды сорамады ма?
10. Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Бул Ерусалимдеги ҳүкимдарға ҳәм ол жерде жасап атырған пүткил Израил халқына тийисли хабар».
11. Израил халқына: «Мен сизлер ушын белгимен. Мен не қылған болсам, Ерусалимдегилерге де сол болады. Олар тутқын қылынып, сүргинге алып кетиледи».
12. Арасындағы ҳүкимдары да қараңғылықта затларын ийнине артып, жолға түседи. Ол арқалы шығыў ушын дийўалды теседи, тәрк етилип атырған бул жерди көрмеў ушын бетин жаўып алады.
13. Мен оның үстине торымды таслайман, ол дузағыма түседи. Оны Бабилонға, калдейлердиң жерине алып бараман. Бирақ ол Бабилонды көрмейди ҳәм сол жерде жан тапсырады.
14. Оның дөгерегиндегилердиң ҳәммесин, барлық жәрдемшилерин ҳәм барлық ләшкерлерин ҳәр тәрепке тарқатып жиберемен ҳәм қылыш жалаңашлап изинен қуўаман.
15. Оларды миллетлер арасына тарқатып, өзге журтларға шашып жибергенимде, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
16. Барған жерлеринде өзлериниң жеркенишли ислери туўралы айтып бериўи ушын, олардың айырымларын қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен аман сақлап қаламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
17. Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
18. – Инсан улы, жегениңде титире, ишкениңде қорқыўдан қалтыра.
19. Елдеги адамларға мыналарды айт: «Ерусалим турғынлары ҳәм Израил халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди: Олар нанын қорқыў менен жеп, суўын ғулғылаға түсип отырып ишетуғын болады. Өйткени елдиң турғынларының жаўызлықлары кесиринен жер бары-жоғынан айырылады.
20. Қоныслы қалалар ўайран болып, ел қаңырап бос қалады. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
21. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
22. – Инсан улы! Сизлерде, Израил жеринде: «Күнлер өтер, барлық пайғамбаршылық сөзлер пушқа шығар», – деп айтылып жүргени не нақыл өзи?
23. Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен бул нақылды жоқ қыламан, қайтып Израилда буны ҳеш ким айтпайтуғын болады». Оларға: «Барлық пайғамбаршылық аянлар орынланатуғын күнлер жақынласпақта», – деп айт.
24. «Енди Израил халқында жалған пайғамбаршылық ҳәм алдамшы болжаўлар болмайды.
25. Мен, Жаратқан Ийе не айтсам да орынланады, енди кешикпейди. Қозғалаңшы халық, сизлердиң күнлериңизде Мен сөз айтаман ҳәм оны әмелге асыраман, – дейди Қудай Ийе».
26. Қудай Ийеден маған сөз түсти:
27. – Инсан улы! Израиллылар: «Оның көрген аянлары көп ўақыттан кейин орынланады, ол тек ғана узақ келешек ҳаққында пайғамбаршылық қылады», – деп айтпақта.
28. Сонлықтан оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Айтқан сөзлеримниң бирде биреўи енди кешиктирилмейди. Не айтқан болсам, ҳәммеси орынланады, – дейди Қудай Ийе».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, ҳәзир пайғамбаршылық қылып атырған Израил пайғамбарлары менен сөйлес. Өзлигинен пайғамбаршылық қылып атырғанларға айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3. Қудай Ийе былай дейди: Ҳеш нәрсе көрмей, аянларды өзлери қыялынан шығарып жүрген ақылсыз пайғамбарлардың соры қурысын!
4. Израил, сениң пайғамбарларың қарабақаналар арасындағы сағалларға уқсайды.
5. Жаратқан Ийениң күни келгенде, Израил халқы саўашта беккем турыўы ушын, олар дийўалларға шығып, олардың опырылған жерлерин дүзетпеди.
6. Олардың аянлары өтирик, ашқан паллары жалған. Оларды Жаратқан Ийе жибермеген болса да: „Жаратқан Ийе усылай айтады“, – деп жәриялайды ҳәм сол сөзлердиң орынланыўын күтеди.
7. Мен айтпаған болсам да: „Буны Жаратқан Ийе айтады“, – дегениңизде, жалған аянлар көрип, өтирик болжаўларды айтпадыңыз ба?
8. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлердиң сөзлериңиз өтирик ҳәм аянларыңыз жалған. Буның ушын Мен сизлерге қарсы шығаман, – дейди Қудай Ийе.
9. – Жалған аянлар көрип, өтирик болжаўлар айтатуғын пайғамбарларға қарсы қолымды көтеремен. Олар Мениң халқымның кеңесинде қатнаспайды, Израил халқының дизимине тиркелмейди ҳәм Израил жерине кирмейди. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.
10. Себеби бул пайғамбарлар тынышлық болмайтуғын болса да, тынышлық болатуғынын айтып, Мениң халқымды азғырды. Олар ҳәлсиз дийўалды ҳәклегендей қылды.
11. Оларды ҳәклеп атырғанларға дийўалдың қулайтуғынын айт. Нөсер жаўын қуйып, үлкен буршақ жаўып, күшли даўыл көтериледи.
12. Дийўал қулағанда, адамлар жаққан ҳәгиңиздиң қаяқта екенин сорамай ма?
13. Енди Қудай Ийе былай демекте: Мен ғәзепленип, күшли даўыл турғызаман, қәҳәрим менен нөсер ҳәм буршақ жаўдырып, дийўалды опат қыламан.
14. Сизлер ҳәклеген дийўалды қулатып, жер менен жексен етемен, оның түби көринип қалады. Дийўал қулағанда, сизлер астында қалып, набыт боласыз. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
15. Мен дийўалға ҳәм оны ҳәклегенлерге ғәзебимди толық шашып, сизлерге: „Дийўал да, оны ҳәклегенлер де жоқ болды,
16. яғный Ерусалимде тынышлық болмайтуғын ўақытта тынышлықтың келетуғынын айтып, пайғамбаршылық қылған Израилдың пайғамбарлары жоқ болды“, – деймен, – дейди Қудай Ийе».
17. – Ал енди, инсан улы, өзинше пайғамбаршылық етип жүрген халқыңның ҳаял-қызларына жүзиңди бур да, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.
18. Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәр бир адамның жанын аўлап, олардың қолларына тумар таққан ҳәм адамлардың басына түрли өлшемдеги жапқыш тиккен ҳаяллардың соры қурыйды! Халқымның жанына қаслық қылып, өз жанымды сақлап қаламан деп ойлайсыз ба?
19. Бир неше уўыс арпа ҳәм бир неше тислем нан ушын, халқымның алдында Мени хорладыңыз. Жалғанға ҳәўес болған халқыма өтирик сөйлеп, өлиўге тийисли болмаған адамды өлтирдиңиз, өлиўи керек адамның жанын аман сақлап қалдыңыз.
20. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен сизлердиң адам жанын қус киби аўлап атырған тумарларыңызға қарсыман. Оларды қолларыңыздан жулып аламан, қус киби аўлаған жанларыңызды азат қыламан.
21. Жапқышларыңызды да жыртып, халқымды қолыңыздан қутқараман. Олар енди сизлерге олжа болмайды. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
22. Мен ҳақ адамға зыян келтирмекши болмасам да, сизлер өтирик пенен оны үмитсизлендирдиңиз. Сизлер наҳақ адамды қоллап қуўатладыңыз. Сонлықтан олар жаман жолынан қайтпады ҳәм жанын сақлап қала алмады.
23. Сол себепли енди сизлер жалған аянлар көрмейсиз ҳәм пал ашпайсыз. Мен халқымды сизлердиң қолыңыздан қутқараман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
1. Израил ақсақалларының базылары келип, алдыма отырды.
2. Сонда Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
3. – Инсан улы, мына адамлар өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойды. Солай екен, Меннен мәсләҳәт сораўына қалай жол қояман?
4. Сонлықтан олар менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойған Израил халқынан бир адам пайғамбардың алдына келсе, Мен, Жаратқан Ийе оған бутларының көплигине жараса жуўап беремен.
5. Солай етип, бутлары себепли Маған жат болған Израил халқының жүрегин Өзиме қаратаман»
6. – Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тәўбе қылың, бутларыңыздан ўаз кешиң ҳәм пүткил жеркенишли затларыңыздан жүз бурың.
7. Егер Израил халқынан болған биреў ямаса Израилда жасап атырған келгиндилерден бири Мени тәрк етсе, өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзиниң алдына қойса ҳәм Меннен мәсләҳәт сораў ушын пайғамбарға келсе, онда Мен, Жаратқан Ийе, оған Өз жуўабымды беремен.
8. Мен сол адамға қарсы шығаман, оны ескертиўши мысалға ҳәм әпсанаға айландыраман, оны халқымның арасынан жоқ қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
9. Егер пайғамбар жолдан азып, бир сөз айтса, онда сол пайғамбарды Мен, Жаратқан Ийе азғырған боламан. Мен оған қарсы қолымды көтерип, халқым Израилдың арасынан жоқ қыламан.
10. Пайғамбар да, оннан мәсләҳәт сорап келген де жазасын алады. Екеўи бирдей айыплы.
11. Сонда Израил халқы Меннен айырылмайды ҳәм гүналары менен өзлерин ҳарамламайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан, – дейди Қудай Ийе».
12. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13. – Инсан улы, егер бир ел қыянет етип, Маған қарсы гүна ислесе, Мен оған қарсы қолымды көтеремен, оларды бир тислем нанға зар қылып, ашлыққа дуўшар қыламан. Елдеги адам ҳәм ҳайўанларды қырып таслайман.
14. Егер мына үш адам: Нух, Даниел ҳәм Аюп сол жерде болғанда да, олар әдиллиги менен тек өзлериниң жанларын ғана қутқарып қалған болар еди, – дейди Қудай Ийе.
15. – Егер Мен сол жерге жыртқыш ҳайўанларды жиберсем, олар сол жерди адамсыз қылса ҳәм сол жер жыртқышлар себепли босап, адам аяқ баспайтуғын болып қалса,
16. сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Жер болса қаңырап бос қалар еди.
17. Ямаса, Мен сол жерге қылыш жиберип: «Қылыш, ел бойлап өт!» – десем ҳәм ондағы адамлар менен ҳайўанларды қырсам,
18. сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди.
19. Болмаса, Мен бул елге иллет жиберсем, ямаса қан төгиў ушын ғәзебимди төгип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып тасласам,
20. Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: Нух, Даниел ҳәм Аюп олардың арасында болса да, олар улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Тек әдиллиги менен өзлериниң жанын ғана қутқара алар еди.
21. Ал енди Қудай Ийе былай дейди: Ерусалимдеги адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қылыў ушын, оларға буннан да бетер төрт аўыр жазаны: қылыш, ашлық, жыртқыш ҳайўанлар ҳәм иллет жиберемен.
22. Деген менен айырым адамлар аман қалады. Аман қалған еркек ҳәм ҳаяллар ол жерден шығып, Бабилонға, алдыңызға келеди. Сизлер олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көргениңизде, Мен Ерусалимге неге усындай апатларды жибергенимди түсинип, олардың басына салған ҳәмме нәрседен тәселле табасыз.
23. Аўа, олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көрип тәселле табасыз. Сизлер Мениң Ерусалимде ислеген барлық ислеримниң қурыдан-қуры исленбегенин билесиз, – дейди Қудай Ийе.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Жүзим ағашының, басқа барлық тереклерден ямаса жүзим шақасының тоғайдағы басқа ағашлардың шақасынан артықмашлығы бар ма?
3. Жүзим шақасынан бир нәрсе ислеўге бола ма? Ҳеш болмаса, бир нәрсени илип қойыў ушын илгиш соға ала ма?
4. Яқ, ол тек отын қылыўға жарайды. От оның еки ушын жандырып, ортасын күйдирип жибергеннен кейин, ол дәртке аса ма?
5. Жанбаған шақа жарамсыз болғаннан кейин, отқа жанып күйип кеткеннен кейин, қалай иске жарайды?
6. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Тоғайдағы тереклер арасындағы жүзим ағашы киби, Ерусалим турғынларын да отқа таслайман.
7. Оларға қарсы шығаман. Бир оттан қашып қутылса, екиншиси жалмайды. Жүзимди оларға қарсы қаратқанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
8. Халқым Маған қыянет қылғаны ушын, бул жерди қаңыраған шөлге айландыраман, – дейди Қудай Ийе.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Ерусалимниң барлық жеркенишли ислерин әшкаралап,
3. Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сениң ата тегиң ҳәм сениң туўылған жериң Қанан, әкең амор халқынан, анаң хет халқынан.
4. Туўылғаныңда, сениң киндигиң кесилмеди, тазалап шомылдырылмадың, дузға салынбадың, жөргекке де оралмадың.
5. Ҳеш ким аяп, саған булардан биреўин ислемеди, мийрим көрсетпеди. Қайтама, дүньяға келген күни-ақ, сени жек көрип, далаға ылақтырып тасландың.
6. Қапталыңнан өтип баратырып, Мен сениң қаныңа былғанып жатырғаныңды көрип қалдым, саған: „Жаса“! – дедим. Мен саған: „Жаса“! – деп айттым.
7. Мен сени даладағы өсимлик киби өсирдим. Сен өсип кәмалға жеттиң, айрықша гөззаллыққа бөлендиң, көкирегиң толысып, шашларың өсти. Бирақ сен тырдай жалаңаш едиң.
8. Мен және қасыңнан өттим ҳәм саған сер салдым, сен муҳаббатқа таяр едиң. Етегимди жалаңаш денеңе жаўып, оны қымтадым. Ант ишип, сениң менен неке келисимин дүздим ҳәм сен Меники болдың, – дейди Қудай Ийе.
9. – Сени шомылдырып, қаннан тазаладым ҳәм денеңе зәйтүн майын жақтым.
10. Үстиңе нағыслы көйлек, аяғыңа жумсақ териден аяқ кийим кийгизип, басыңа ҳасыл зығыр орайпек орадым ҳәм жипектен кийимлер кийгиздим.
11. Сени безендирдим, қолларыңа билезик, мойныңа моншақ тақтым.
12. Мурныңа әребек, қулақларыңа сырға тағып, басыңа әжайып таж кийгиздим.
13. Сен алтын ҳәм гүмиске бөлендиң. Ҳасыл зығыр ҳәм жипектен тигилген нағыслы кийимлер кийдиң. Сапалы бийдай унынан жабылған нан, пал ҳәм зәйтүн майы менен аўқатландың. Сен аса сулыў болып, ханша дәрежесине жеттиң.
14. Сулыўлығың миллетлер арасында даңқ таратты, Мениң саған берген уллылығым себепли, гөззаллығың минсиз еди, – дейди Қудай Ийе.
15. – Сен болсаң, гөззаллығыңа исендиң, даңқыңнан пайдаланып, бузықшылық иследиң. Өткенкеткенге кеўил қойып, гөззаллығыңды оларға бердиң.
16. Кийимлериңнен биразы менен сыйыныў орынларын безедиң ҳәм сол жерде бузықшылық қылдың. Бундай нәрсе бурын болмаған, енди де болмайды.
17. \Мен берген алтын ҳәм гүмис тағыншақлардан еркек бутлардың мүсинин ислеттиң ҳәм олар менен бузықшылық қылдың.
18. Нағыслы кийимлерди олардың үстине жаўып, Мен берген зәйтүн майын ҳәм хош ийисли түтеткини олардың алдына қойдың.
19. Мениң нанымды, Мен саған берген сапалы бийдай унын, зәйтүн майын ҳәм палды хош ийисли сый ретинде олардың алдына қойдың. Аўа, солай иследиң, – дейди Қудай Ийе.
20. – Ҳәтте, Маған туўып берген улларыңды ҳәм қызларыңды оларға жем қылып, қурбанлыққа бердиң. Бузықшылық қылғаның аз болғандай,
21. сен Мениң балаларымды сойып, отта жағып, оларға бердиң.
22. Усы жеркенишли ислерди ҳәм бузықшылықларды ислегениңде, өзиңниң тырдай жалаңаш болып, қаныңа былғанып жатырған күниңди, жаслығыңды еслемедиң.
23. Сорың қурысын, сорың қурысын! – дейди Қудай Ийе. – Ислеген барлық жаўызлықларыңа қоса,
24. сен ҳәр бир ашық майданда өзиңе шатыр ҳәм сыйыныў орнын қурдың.
25. Ҳәр бир көшениң басына сыйыныў орнын қурып, гөззаллығыңды аяқ асты қылдың. Өткен-кеткенге сатаныңды ашып, бузықшылық үстине бузықшылық қылдың.
26. Жынысый ағзасы ири болған қоңсыларың мысырлылар менен бузықшылық иследиң. Бузықшылық үстине бузықшылық қылып, Мениң қәҳәримди келтирдиң.
27. Мине, Мен саған қарсы қолымды көтерип, ырысқыңды кемейттим. Сени душпаның филистли қызлардың қолына бердим. Ҳәтте, сениң уятсыз қылықларыңнан олардың да жүзи қызарған.
28. Сен ассириялылар менен де бузықшылық иследиң, тоймадың. Олар менен бузықшылық иследиң, қанаатланбадың.
29. Саўдагерлердиң жери болған калдейлердиң жерине дейин бузықшылығыңды арттырдың, бирақ буның менен де қанаатланбадың.
30. Жүрегиң қандай бузық! – дейди Қудай Ийе. – Булардың ҳәммесин, жүўенсиз жезөкшедей жүзеге асырдың.
31. Ҳәр көшениң басына шатыр қурып, ҳәр бир майданға сыйыныў орнын салғаныңда, сен жезөкшеден парық қылдың, себеби төлемнен жүз бурдың.
32. Сен бийопа ҳаялсаң. Өз күйеўиңнен гөре, басқа еркеклерди абзал көрдиң.
33. Ҳәмме бузықлар сый алады, ал сен өзиң ойнасларыңа сыйлар бердиң. Ҳәр жақтан келип, сениң менен жатыўы ушын, оларды сатып алдың.
34. Сен басқа бузықлардан өзгешесең. Ҳеш ким сени бузықшылық қылыўға ийтермелемеген, саған ҳеш ким ҳақы төлемеген, сен өзиң оларға ҳақы төлегенсең. Соның ушын сен басқаларға уқсамағансаң.
35. Сонлықтан, жезөкше, Жаратқан Ийениң сөзин тыңла!
36. Қудай Ийе былай дейди: Сениң бетсизлигиң әшкара болды, ойнасларың менен бузықшылық қылғаныңда, жалаңашлығың ашылып қалды, барлық жеркенишли бутларыңа табынып, балаларыңды оларға қурбанлыққа бердиң.
37. Булар ушын кәйпи-сапа қурған барлық ойнасларыңды, барлық сүйиклилериңди, олар менен бирге сен жеркенгенлерди ҳәмме жақтан бир жерге топлайман. Сени тырдай жалаңаш қылып, олардың алдына шығарып қояман. Олар сениң толық жалаңаш денеңди көреди.
38. Неке ҳадаллығын бузған ҳәм қан төккен ҳаялларға берилетуғын жазаны саған беремен. Ғәзебим ҳәм қызғанышым менен сениң қаныңды ағызаман.
39. Сени ойнасларыңның қолына тапсыраман, олар сениң шатырыңды жығып, сыйыныў орынларыңды бузып таслайды. Үстиңдеги кийимлериңди ҳәм тағыншақларыңды тартып алып, сени тырдай жалаңаш қалдырады.
40. Олар саған қарсы аламанды топлайды, сени тас боран қылып өлтирип, денеңди қылыш пенен тилкимлейди.
41. Үйиңди өртеп, көплеген ҳаяллардың көз алдында сени ҳүким қылады. Солай етип, бузықшылығыңа шек қояман, артық ойнасларыңа ҳақы төлемейсең.
42. Сонда саған деген ғәзебимнен түсип, қәҳәрден қайтаман. Тынышланаман ҳәм басқа ғәзепленбеймен.
43. Сен жаслық күнлериңди еске алмадың. Қылмыс ислеп, Мени ғәзеплендиргениң ушын, усы қылмысларыңа жараса жаза беремен, – дейди Қудай Ийе. – Барлық жеркенишли ислериңниң үстине бул уятсыз қылықларды да қоспадың ба?
44. Нақыл менен сөйлейтуғынлар сен туўралы: „Анасы қандай болса, қызы да сондай“, – деп айтады.
45. Сен күйеўинен ҳәм перзентинен ўаз кешкен анаңа жүдә уқсайсаң. Сен күйеўинен ҳәм перзентлеринен ўаз кешкен апа-сиңлилериңниң өзисең. Сениң анаң хет халқынан, әкең амор халқынан.
46. Әжапаң – қызлары менен арқа тәрепиңде жасаған Самария, ал сиңлиң – қызлары менен сениң қубла тәрепиңде жасаған Содом.
47. Сен олардың жолларынан жүрип, жеркенишли ислерине еликлеп ғана қоймай, өз жолларыңда олардан тез озып кеттиң.
48. Мен, Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сиңлиң Содом да өз қызлары менен сен ҳәм сениң қызларың ислеген жаўызлықларыңды ислемеди.
49. Сиңлиң Содомның айыбы мынаў еди: ол ҳәм оның қызлары менмен, тоқ, бийпәрўа еди. Олар кәмбағал ҳәм жарлыларға жәрдем бермеди.
50. Олар тәкаббир еди ҳәм Мениң алдымда жеркенишли ислерди иследи. Мен буны көрип, оларды жоқ қылдым.
51. Самария да сен ислеген гүналардың ярымын да ислеген жоқ. Сен жеркенишли ислерди ислеўде олардан асып түстиң. Сен ислеген ислерге салыстырғанда, апа-сиңлилериң ҳақ болып көринеди.
52. Енди шерменделигиңди көтер. Сен апа-сиңлилериңниң жазасын жеңиллестирдиң. Сен олардан да бетер жеркенишли гүналарды ислеп, оларды өзиңнен гүнасызырақ қылып көрсеттиң. Уяттан қызарып, шерменделигиңди көтер. Себеби сен апа-сиңлилериңди гүнасыз қылып көрсеттиң.
53. Бирақ Содомның ҳәм оның қызларының, Самарияның ҳәм оның қызларының, олар менен бирге сениң де абаданшылығыңды қайтараман.
54. Сонда сен ислеген ислериң ушын уятқа қалып, шерменде боласаң. Буны көрип апа-сиңлилериң өзлериниң аўҳалына шүкирлик қылады.
55. Апа-сиңлилериң Содом ҳәм Самария өз қызлары менен бурынғы аўҳалына қайтады. Сен де өз қызларың менен бирге бурынғы аўҳалыңа қайтасаң.
56. Тәкаббир ўақтыңда сиңлиң Содомды мазақ қылатуғын едиң.
57. Енди болса, сениң жаўызлығың ашылып қалды. Сен Арам қызлары ҳәм оның барлық қоңсыларына, филистли қызларға ҳәм әтираптағы сени жек көретуғын барлық халықларға масқара боласаң.
58. Уятсыз қылықларың ҳәм жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартыўың шәрт, – дейди Жаратқан Ийе.
59. Қудай Ийе былай дейди: Мен саған ылайықлы жазаңды беремен. Сен Мениң келисимимди бузып, антқа немқурайды қарадың.
60. Деген менен, жаслық шағыңда сениң менен дүзген келисимимди ядқа алып, сениң менен мәңгилик келисим дүземен.
61. Әжапаңды ҳәм сиңлиңди қабыл қылғаныңда, өз жолыңды есиңе алып, уяласаң. Мен оларды саған қыз қылып беремен. Бирақ бул сениң менен дүзетуғын келисимиме кирмейди.
62. Мен сениң менен келисимимди қайта тиклеймен. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
63. Мен сени барлық гүналарыңнан пәклегенимде, сен оларды еске алатуғын, уялып, аўзыңды да ашпайтуғын боласаң, – дейди Қудай Ийе».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Израил халқына жумбақлап тымсал айтып бер.
3. Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Үлкен қанатлы, узын пәрли, мамық, ала-шубар бир айбатлы бүркит Лебанонға ушып келип, кедр ағашының төбесин бүрип,
4. ең жоқарғы шақасын жулып алды. Оны саўдагерлердиң елине алып барып, алып сатарлардың қаласына отырғызды.
5. Кейин үлкениң туқымынан алып, өнимдар топыраққа екти. Оны мол суўлар бойына, тал сыяқлы отырғызды.
6. Ол өсип, шақалары жайылған, келте бойлы жүзим ағашына айланды. Оның шақалары бүркитке қарай ийилди, тамыры өз орнында қалды. Солай етип, ол шақалаған, қойыў жапырақлы ағаш болып өсти.
7. Бирақ үлкен қанатлы, мамық пәрли басқа бир бүркит те бар еди. Жүзим ағашы суў излеп, отырғызылған орнынан тамырын оған қарай бурды ҳәм шақаларын оған созды. 8
8. Жүзим ағашы шақалап, мийўе берип, саўлатлы болатуғындай, мол суўлар бойына, өнимдар топыраққа егилген еди».
9. – Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Енди бул жүзим ағашы ғаўлап өсе ме екен? Биринши бүркит оны тамыры менен суўырып, солқымларын жулып, солытып тасламай ма? Оның тазадан өскен шақалары қуўрап қалады. Ағашты тамыры менен суўырып алыў ушын, үлкен күш яки көп санлы ләшкер керек болмайды.
10. Ол көширип егилсе де, ғаўлап өсе ме екен? Шығыс самалы ескенде, қуўрап қалмай ма? Ағаш өскен қарығында-ақ солып қалады».
11. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
12. – Қозғалаңшы халыққа: «Булардың мәнисин билмейсиз бе?» – деп айт. Оларға былай деп айт: «Мине, Бабилония патшасы Ерусалимге келип, оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын Бабилонға алып кетти.
13. Ол патша әўладынан биреўин таңлап, оның менен питим дүзди ҳәм ант иштирип питимди бекитти. Ол елдеги барлық басшыларды тутқын етип алып кетти.
14. Патшалықтың бойсыныўшаң болыўы, көтерилис қылмаўы ҳәм питим сақланып қалып, беккем болыўы ушын ол усылай иследи.
15. Бирақ таза қойылған патша атлар менен адамлар бериўин сорап, Мысырға елшилерин жиберди ҳәм усы иси арқалы Бабилонға қарсы шықты. Бул адам табысқа ерисе алар ма екен? Буны ислеген адам аман қалар ма екен? Ол питимди бузды, енди аман қала ма?
16. Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: ишкен антынан қайтып, дүзген питимин бузғаны ушын, ол өзин патша етип тахтқа отырғызған патшаның мәканында, Бабилонда өледи.
17. Бабилония патшасы көплердиң жанын алыў ушын, дийўалға топырақ үйгенде ҳәм қамал минараларын қурғанда, уллы күши ҳәм сансыз халқы болса да, фараон бул урыста жәрдем бермейди.
18. Ол дүзген питимин бузды, ишкен антынан тайды. Ол қол берискен болса да, бул ислерди қылды. Енди ол қашып қутыла алмайды.
19. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Мениң алдымда ишилген антқа немқурайды қарағаны ҳәм Мениң алдымда дүзилген питимди бузғаны ушын, ондағы барлық нәлетлерди оның басына саламан.
20. Мен оған тор таслайман, ол Мениң дузағыма түседи. Оны Бабилонға алып барып, Маған қарсы ислеген опасызлығы ушын ҳүким шығараман.
21. Оның қашып баратырған әскерлери қылыштан қаза табады, ал қалғанлары самалға суўырылады. Сонда бул сөзлерди айтқан Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
22. Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашының уша басынан бир шақаны алып отырғызаман. Төбесиндеги шақасынан бир жас шыбық алып, оны үлкен ҳәм бәлент таўдың төбесине егемен.
23. Оны Израилдың бәлент таўына отырғызаман. Ол шақа жайып, мийўе береди ҳәм бир уллы кедр ағашына айланады. Барлық қуслар шақаларына мәкан басады, ҳәр қыйлы қанатлы жанзатлар шақаларының саясын паналайды.
24. Даладағы барлық ағашлар бийик ағашты жығатуғын, пәс ағашты бийиклететуғын, жасыл ағашты қуўрататуғын, қуўраған ағашты гүллендиретуғын бул – Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. «Не ушын сизлер Израилда: „Әкелери қышқыл жүзим жейди, балаларының тиси қамасады“, – деген нақылды қолланасыз?
3. Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: бул нақылды Израилда енди айтпайтуғын боласыз.
4. Билип қойың: ҳәр бир тири жан Маған тийисли. Әкениң де, баланың да жаны Меники. Тек гүна қылған адам өледи.
5. Ҳақ адам әдалатлы ҳәм туўры болған нәрсени ислейди.
6. Ол төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспайды, Израил халқының бутларына көз салмайды, басқаның ҳаялын ҳарамламайды ҳәм етек кири келген ўақтында ҳаялға жақынламайды.
7. Ҳеш кимге зулым қылмайды, гиреўге алған затын қайтарып береди, таланшылық қылмайды, аш адамға нан, жалаңашқа кийим береди.
8. Өсим ушын қарыз бермейди, үстеме алмайды, наҳақлықтан қолын тыяды, еки адам арасындағы даўды әдиллик пенен шешеди.
9. Ол Мениң қағыйдаларыма әмел қылады, нызамларымды шын жүректен орынлайды. Бундай адам – ҳақ адам, ол сөзсиз жасайды, – дейди Қудай Ийе.
10. – Бирақ усы ҳақ адамның қан төгип жүрген, бир қарақшы баласы болып, ол усы надурыс нәрселерден бирин ислесе,
11. яғный әкеси ислемеген исти қылып, төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасса, басқаның ҳаялын ҳарамласа,
12. жарлы ҳәм кәмбағалға зулым қылса, таланшылық қылса, гиреўге алған затын қайтарып бермесе, бутларға табынса, жеркенишли ислерди ислесе,
13. өсим ушын қарыз берип, үстеме алса, онда ол аман қалар ма екен? Ол аман қалмайды. Бундай жеркенишли ислерге қол урған адам сөзсиз өлтирилиўи тийис. Өлимине өзи себепши болады.
14. Егер бундай адамның перзенти болса ҳәм ол әкеси ислеген барлық гүналарды көре тура, әкесине еликлемесе,
15. яғный төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспаса, Израил халқының бутларына көз салмаса, жақынының ҳаялын ҳарамламаса,
16. ҳеш кимге зулым қылмаса, қарыздардан гиреў талап қылмаса, таланшылық қылмаса, ашқа нан, кийимсизге кийим берсе,
17. кәмбағалды жәбирлемесе, өсим ҳәм үстеме алмаса, Мениң нызамларыма бойсынып, қағыйдаларыма әмел қылса, онда ол әкесиниң гүнасы ушын өлмейди, ол жасайды.
18. Ал әкеси өз гүнасы ушын өледи. Себеби ол зулымлық қылды, туўысқанын талады, өз халқы арасында жарамас ислерди иследи.
19. Сизлер: „Не ушын перзент әкениң гүнасы ушын жуўап бермейди?“, – деп айтасыз. Себеби перзент әдил ҳәм туўры ислерди иследи. Мениң барлық қағыйдаларыма муқыятлы түрде әмел қылды. Ол сөзсиз жасайды.
20. Тек гүна қылған адам өледи. Перзент әкениң, әке болса, перзенттиң гүнасы ушын жуўапкер емес. Ҳақ адам ҳақлығының, наҳақ адам өз наҳақлығының жуўабын алады.
21. Егер наҳақ адам ислеген барлық гүналары ушын тәўбе қылып, Мениң барлық қағыйдаларыма әмел қылса, әдил ҳәм туўры ислерди ислесе, ол жасайды, өлмейди.
22. Ол қандай қылмыс ислемесин, ҳеш бири еске алынбайды, ол ислеген әдил ислери себепли жасайды.
23. Мен наҳақ адамның өлимин қәлеймен бе? – дейди Қудай Ийе, – Мен оның жаман жолдан қайтыўын ҳәм жасаўын қәлемеймен бе?
24. Егер ҳақ адам өз ҳақлығынан тайып, наҳақ ис тутса, жаўызлар киби барлық жеркенишли ислерди ислесе, ол жасай ма? Ол ислеген ҳәмме әдалатлы ислер еске алынбайды, ал өзи ислеген қыянети ҳәм гүнасы ушын өледи.
25. Сизлер: „Ийениң жолы туўры емес“, – дейсизлер. Тыңлаң, Израил халқы! Мен тутқан жол натуўры ма? Сизлердиң жолыңыз натуўры емес пе?
26. Егер ҳақ адам ҳақлығынан тайып, натуўры ислер ислесе ҳәм усы себепли өлсе, онда ол өзи ислеген гүнасы ушын өледи.
27. Егер наҳақ адам өз наҳақлығынан қайтып, әдил ҳәм туўры ислерди қылса, ол өз өмирин сақлап қалады.
28. Ол өзи ислеген барлық қылмысларына көз жиберип, олар ушын тәўбе қылғаны себепли жасайды, өлмейди.
29. Сондай болса да, Израил халқы: „Ийениң жолы туўры емес“, – дейди. Мениң жолым натуўры ма, Израил халқы? Натуўры жол сизлердики емес пе?
30. Буның ушын, Израил халқы, сизлердиң ҳәр бириңизди өз жолларыңызға бола ҳүким етемен, – дейди Қудай Ийе. – Тәўбе қылың, барлық гүналарыңыздан қайтың, қылмысларыңыз сизлерди набыт қылмасын.
31. Ислеген барлық гүналарыңыздан жүз бурып, өзлериңизге жаңа жүрек ҳәм жаңа руўх алың. Израил халқы, сизлерге өлиўдиң не кереги бар?
32. Мен ҳеш кимниң өлимин қәлемеймен, – дейди Қудай Ийе. – Жаман жолдан қайтың ҳәм жасаң!»
1. – Сен Израил ҳүкимдарлары ушын жоқлаў айтып,
2. былай де: «Сениң анаң қандай арыслан еди?! Ол арысланлар арасына орналасты, Жыртқыш арысланлар арасында балаларын өсирди.
3. Балаларынан бири күшли арыслан болып жетилисти, Ол аў қылыўды үйренди, Адамларды жей баслады.
4. Миллетлер ол туўралы еситти, Арысланды шуқырға түсирди, Шынжырлап, Мысыр жерине алып барды.
5. Анасы күте-күте, үмитин үзди, Балаларынан басқа биреўин алып, Оны күшли арыслан қылып өсирди.
6. Ол күшли арысланға айланып, Арысланлар арасында гезип жүрди, Аў қылыўды үйренди, Адамларды жей баслады.
7. Олардың қорғанларын бузды, Қалаларын ўайран қылды. Жер ҳәм онда жасаўшылар, Оның ақырыўынан титиреди.
8. Дөгеректеги ўәлаятлардағы миллетлер, Оған қарсы ҳүжим қылды. Үстине тор таслады, Арыслан олардың шуқырына түсти.
9. Шынжырлап, оны қәпеске салды, Бабилония патшасына алып барды, Оны қамаққа таслады. Израил таўларының үстинде, Қайтып еситилмесин, деп оның даўысы.
10. Сениң анаң суўлардың бойына егилген, Бағдағы жүзим ағашына уқсар еди. Суўлардың молшылығынан, Ол өнимдар ҳәм мол шақалы ед.
11. Ҳүкимдарға ҳаса болғандай, Күшли шақалары бар еди. Қалың жапырақлар арасында, Тик бойы бәлент көтерилди. Бәлентлиги ҳәм мол шақалары менен, Көзге тасланып турар еди.
12. Бирақ ғәзеп пенен, Ол суўырылып жерге урылды. Шығыс самалы мийўелерин солытты, Күшли шақалары сынып қуўрады, Ҳәммесин от жалмап таслады.
13. Ол енди шөлге, Қурғақ ҳәм суўсыз жерге көширилди.
14. Оның тик шақасынан жалын шығып, Солқымларын күйдирип жиберди. Ҳүкимдарлық ҳасасы ушын беккем шақасы қалмады». Бул жоқлаў қосығы болып, жоқлаў ушын қолланылады.
1. Сүргин болған ўақтымыздың жетинши жылының бесинши айының оныншы күни Израил ақсақалларынан айырымлары Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сораў ушын мениң алдыма келди+.
2. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
3. – Инсан улы! Израил ақсақаллары менен сөйлесип, «Қудай Ийе: Сизлер Меннен мәсләҳәт сораў ушын келдиңиз бе? – дейди», – деп айт. «Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе».
4. – Оларды ҳүким қыл! Оларды ҳүким қыл, инсан улы! Оларға атабабаларының жеркенишли ислерин айтып бер.
5. Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Израилды таңлаған күним, Яқыптың урпақларына ант ишкенмен ҳәм Мысырда Өзимди танытқанман. Мен оларға ант ишип: „Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан“, – дегенмен.
6. Сол күни Мен оларға, өзлерин Мысырдан шығарып, олар ушын гөзлеген жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып баратуғынымды айтып ант берген едим.
7. Оларға: „Ҳәр бир адам өзи кеўил берген жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасласын, Мысыр бутлары менен өзлерин ҳарамламасын. Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийемен“, – деген едим.
8. Бирақ олар Маған қарсы бас көтерди ҳәм Мени тыңламады. Кеўил қойған жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасламады ҳәм Мысыр бутларынан жүз бурмады. Сонда Мен Мысырда-ақ қәҳәримди төгип, ғәзебимди толық шашпақшы болдым.
9. Бирақ олар арасында жасаған миллетлер алдында атыма иснат келтирмеў ушын, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим. Мен ол миллетлердиң көзиниң алдында израиллыларды Мысырдан алып шығып, Өзимди оларға таныттым.
10. Мен оларды Мысырдан шығарып, шөлге алып келдим.
11. Өз қағыйдаларымды бердим ҳәм нызамларымды жәрияладым. Оларға әмел қылған ҳәр бир адам олар арқалы жасайды.
12. Және, өзлерин мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенимди билсин деп, Өзим ҳәм олар арасындағы белги ретинде Шаббатымды бердим.
13. Деген менен, Израил халқы шөлде де Маған қарсы шықты. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды менсинбеди. Усыларды орынлаған адам олар арқалы аман қалатуғын еди. Олар Шаббатымды да толық хорлады. Сонда Мен олардың үстине ғәзебимди төгип, шөлде оларды қырып жибермекши болдым.
14. Бирақ Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма иснат келмесин деп, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим.
15. Оларды өзлерине бермекши болған жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып бармайтуғынымды айтып, шөлде ант иштим.
16. Себеби олар Мениң нызамларымды менсинбеди, қағыйдаларыма әмел қылмады ҳәм Шаббатымды хорлады. Олардың жүреги бутларға берилген еди.
17. Деген менен, оларды қырып жибериўге көзим қыймады ҳәм Мен оларды шөлде жоқ қылмадым.
18. Мен шөлде олардың балаларына былай дедим: „Аталарыңыздың үрп-әдетлери бойынша жүрмең, олардың бутлары менен өзлериңизди ҳарамламаң.
19. Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мениң қағыйдаларыма әмел қылың ҳәм нызамларымды муқыятлы түрде орынлаң.
20. Шаббатымды мухаддес тутың. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мен екенимди билиўиңиз ушын, олар бизлердиң арамызда белги болады“.
21. Бирақ балалары да Маған қарсы бас көтерди. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды орынлаўға ҳәрекет етпеди. Адам оларды орынлаўы арқалы аман қалатуғын болса да, оларды орынламады, Шаббатымды хорлады. Сонда Мен шөлде оларға ғәзебимди төгип, қәҳәримди толық шашпақшы болдым.
22. Солай болса да, Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма иснат келмесин деп, қолымды тарттым ҳәм Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим.
23. Және де, шөлде оларды миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен деп ант иштим.
24. Себеби олар Мениң нызамларымды орынламады, қағыйдаларымды менсинбеди, Шаббатымды хорлады ҳәм ата-бабаларының бутларына қуштарлана көз тикти.
25. Сонлықтан Мен оларды жақсы болмаған қағыйдалардың ҳәм адам орынлағаны менен аман қалмайтуғын нызамлардың бийлигине тапсырдым.
26. Оларды қорқытыў ушын ҳәм олар Мениң Қудай Ийе екенимди билиўи ушын, өзлери берген сыйлар, яғный ҳәр бир туңғыш перзентин отта жағып, қурбанлық келтириўи арқалы оларды ҳарамладым».
27. – Солай екен, инсан улы, Израил халқы менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ата-бабаларыңыз және опасызлық қылды ҳәм бул арқалы Маған тил тийгизди.
28. Мен беремен деп ант ишкен жериме оларды алып барғанымда, олар көрген ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында өз қурбанлықларын шалды. Ол жерде Мениң ғәзебимди келтиретуғын садақаларды берди, хош ийисли түтеткилерди түтетти ҳәм ишимлик садақаларын қуйды.
29. Сонда Мен олардан: „Сизлер барып атырған бул қандай сыйыныў орны?“ – деп сорадым». Сонлықтан сондай орынлар бүгинги күнге дейин «сыйыныў орны» деп аталады.
30. – Солай екен, Израил халқына Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сизлер де ата-бабаларыңызға еликлеп, өзлериңизди ҳарамламақшымысыз? Олардың жеркенишли мүсинлери менен бузықшылық қылмақшымысыз?
31. Усы күнге дейин, сизлер балаларыңызды отта жағып, қурбанлық қылып усыныў арқалы, пүткил бутларыңыз бенен өзлериңизди ҳарамлап киятырсыз. Солай ислей отырып, Израил халқы, Меннен мәсләҳәт сорамақшымысыз? Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе.
32. – Сизлер: „Бизлер де басқа миллетлер, басқа жерлердеги қәўимлер сыяқлы, ағаш ҳәм тасларға сыйынайық“, – дейсиз. Бирақ ойыңызға келген бул ислериңиз әмелге аспайды.
33. Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен үстиңизден патшалық қыламан.
34. Күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен сизлерди халықлардың арасынан шығарып, тарқап кеткен жерлериңизден жыйнап аламан.
35. Кейин сизлерди халықлардың шөл даласына алып барып, сол жерде жүзбежүз ҳүким шығараман.
36. Мысыр жериндеги шөлде атабабаларыңызға қандай ҳүким шығарған болсам, сизлерге де сондай ҳүким шығараман, – дейди Қудай Ийе.
37. – Сизлерди ҳаса таяғым менен барлап шығып, келисимиме бойсыныўға мәжбүр етемен.
38. Қозғалаңшыларды ҳәм Маған бойсынбайтуғынларды сизлерден айыраман. Оларды сүргинде болған елден алып шыққаным менен, олар Израил жерине кирмейди. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
39. Сизлер туўралы, Израил халқы, Қудай Ийе былай дейди: Егер Маған қулақ салмайтуғын болсаңыз, онда ҳәр бириңиз өз бутларыңызға хызмет ете бериңлер. Бирақ сыйларыңыз ҳәм бутларыңыз арқалы Мениң мухаддес атыма артық иснат келтирмеңлер.
40. Енди Мухаддес таўымда, Израилдың бийик таўында, – дейди Қудай Ийе, – сол жерде қанша Израил халқы болса, ҳәммеси Маған хызмет етеди. Сол жерде Мен оларды ыразылық пенен қабыл етемен. Барлық мухаддес затларыңыз бенен бирге садақаларыңызды ҳәм өнимиңиздиң биринши бөлеклерин сол жерде талап етемен.
41. Сизлерди халықлардың арасынан алып шығып, тарап кеткен жерлериңизден жыйнап алғанымда, сизлерди хош ийисли түтетки сыпатында қабыл етемен ҳәм миллетлердиң көзлериниң алдында Өз мухаддеслигимди аян етемен.
42. Сизлерди ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жериме, Израил жерине алып келгенимде, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
43. Cол жерде өзлериңизди ҳарамлаған жолларыңызды, ислеген жаўыз ислериңизди есиңизге аласыз ҳәм ислеген барлық жаўызлықларыңыз себепли өзиңизден өзиңиз тиксинесиз.
44. Израил халқы, Мен сизлердиң тутқан жаман жолларыңызға ҳәм жарамас ислериңизге қарай емес, ал Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еткенимде, Сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз, – дейди Қудай Ийе».
45. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
46. – Инсан улы, жүзиңди қублаға қаратып, қублаға ўаз айт ҳәм сол жердеги тоғайға қарсы пайғамбаршылық қыл.
47. Қубладағы тоғайға былай деп айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңла! Қудай Ийе былай дейди: Мен ишиңде от тутандыраман, ол сендеги барлық ағашларды, жасылын да, қуўрағанын да жоқ қылады. Лаўлаған от өшпейди, қубладан арқаға шекемги барлық жерлер жанып күйдириледи.
48. Пүткил инсан улы бул отты Жаратқан Ийениң, Мениң жаққанымды көреди, от өшпейди».
49. Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Бул адамлар мен туўралы: «Бул адам тымсал айтып жүрген жоқ па?» – деп айтпақта, – дедим.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, жүзиңди Ерусалимге қаратып, мухаддес орынларына қарсы ўаз айт. Израил жерине қарсы пайғамбаршылық қылып,
3. оған айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған қарсыман, қылышымды қынынан шығарып, сендеги жақсыны да, жаманды да қырып таслайман.
4. Жақсыны да, жаманды да, қубладан арқаға шекемги барлық тири жанды қырып таслаў ушын қылышымды қынынан шығардым.
5. Сонда пүткил адамзат қылышын қынынан шығарған бул Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Енди қылышымды қынына салмайман».
6. – Сен, инсан улы, зар еңире, олардың көзиниң алдында белиң қайысып, жүрегиң езилип, нала шек.
7. Сеннен: «Неге нала шегип атырсаң?» – деп сораса, оларға: «Келген жаман хабар себепли қайғыға батып атырман», – деп жуўап бер. Ол жүзеге асқанда, ҳәммениң жүреги езиледи, қолларында мәдет қалмайды, руўхы түседи, дизелериниң мәдары қурыйды. Бул келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе.
8. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9. – Инсан улы, пайғамбаршылық ет ҳәм Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш, қылыш! Ол шарланды ҳәм жылтыратылды!
10. Баўызлаў ушын шарланды, Шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды. Қалай қуўанайық, ҳәй улымның ҳаса таяғы, Қылыш ҳәр қандай ағашты писент етпейди.
11. Қылыш қолға усланыў ушын жылтыратыўға берилди, Қанхордың қолына берилиў ушын, Шарланды, жылтыратылды.
12. Инсан улы, дад салып, пәрияд қыл, Қылыш Мениң халқыма, Израилдың барлық ҳүкимдарларына жүзленген. Мениң халқым менен бирге, Израил ҳүкимдарлары да қылыштан өткериледи. Енди саныңа урып, жыла.
13. Сынаў ўақты сөзсиз келеди. Қылыш ҳаса таяқты менсинбесе, не болады? Ҳаса таяқтың күни питеди, – дейди Қудай Ийе».
14. – Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл, Ашыў менен алақаныңды алақаныңа ур. Қылыш еки рет, үш рет шапсын. Бул қылыш өлтириў ушын, Уллы қырғын ушын арналған. Қылыш оларды ҳәр тәрептен қысып келмекте.
15. Руўхлары түссин, Қаза тапқанлар көбейсин деп, Мен барлық дәрўазалардың алдына, Қорқынышлы қылышымды қойдым. О-ҳо, қылыш шақмақ киби жалтылдады, Қырыў ушын қынынан шығарылды.
16. Оңға ур, шепке шап, Жүзиңниң қараған жағына ур.
17. Мен де алақанымды алақаныма ураман, Ғәзебимди усылай басаман. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
18. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
19. – Инсан улы, Бабилония патшасының қылышы келетуғын еки жолды белгиле, екеўи де бир жерден шықсын. Қала жолының басланған жерине бир белги қой.
20. Аммонлардың Рабба қаласына ҳәм Яҳудадағы қоршаўлы қала Ерусалимге кириўи ушын жол белгиле.
21. Себеби Бабилония патшасы жолдың екиге айырылған жеринде турып, пал ашады. Ол оқларды силкитеди, бут мүсинлеринен сорайды, қурбанлық қылынған маллардың баўырына қарап жорыйды.
22. Оның оң қолында Ерусалимди көрсетип турған пал бар. Ол жерге дийўалларды тесетуғын қураллар орнатыў, өлим буйрығын бериў, урыс сүренин салыў, дәрўазаны бузатуғын қуралларды қойыў, дийўалға қыялатып топырақ үйиў, қамал минараларын қурыў кереги айтылады.
23. Бабилония патшасына ант ишип, келисим дүзген Ерусалим халқының нәзеринде бул пал өтирик болып түйиледи. Бирақ Бабилония патшасы олардың айыбын еслетип, оларды қолға алмақшы болады.
24. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Сизлер ашық жынаят қылып, қылмысларыңызды еслеттиңиз. Қылған ҳәр бир исиңизде гүналарыңызды әшкара қылып, өзлериңиз буны еске салдыңыз. Соның ушын сизлер қолға түсесиз.
25. Сен, Израилдың напәк, жаўыз ҳүкимдары, соңғы күниң жақынласты, ақырғы жаза күниң жетип келди!
26. Қудай Ийе былай дейди: Сәллеңди шеш, тажыңды алып тасла. Енди бул булай болмайды. Хорланған адам жоқарылайды, жоқарыдағы адам хорланады.
27. Қырғын! Қырғын! Қалаға қырғын тийгиземен! Бирақ бул узақ даўам етпейди. Ҳүким шығарыўшы келеди. Оған ҳүким етиўди тапсыраман».
28. – Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қылып, Израилды мазақ қылған аммон халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш! Қылыш! Баўызлаў ушын қыннан шығарылды, Жутыў ҳәм шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды.
29. Аммон халқының қылыш туўралы көрген аянлары жалған, Аштырған паллары өтирик. Қылыш напәк жаўызлардың мойнын шабады. Олардың соңғы күни келди, Ақырғы жаза ўақты жетти.
30. Қылышты қынына сал! Жаратылған жериңде, Туўылған мәканыңда, Мен саған ҳүким шығараман.
31. Үстиңе қәҳәримди төгип, Ғәзеп отымды үплеймен. Сени өлтириўге шебер, Жаўыз адамлардың қолына беремен.
32. Сен отқа жем боласаң, Қаның жерге төгиледи. Сен ҳеш қашан еске алынбайсаң. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Сен, инсан улы, ҳүким қыл, қанхор қаланы ҳүким қыл! Оның ислеген жеркенишли ислерин айтып бер.
3. Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, өз ишиңде қан төгип, жаза күнин жақынлатқан қала! Сен бутлар соғып, өзиңди ҳарамладың!
4. Төккен қаның менен айыплы болдың, соққан бутларың менен ҳарамландың. Күнлериң жақынласты, жылларың паянына жетти. Соның ушын Мен сени миллетлердиң мазақлаўына, пүткил еллердиң үстиңнен күлиўине жол қояман.
5. Жаман ат шығарған, ғаўғаға толған қала, жақындағылар да, алыстағылар да сени мазақлайды.
6. Мине, ишиңде жасап атырған ҳәр бир Израил ҳүкимдары өз ҳәмелинен пайдаланып, қан төгеди.
7. Қалада ата-анасын менсинбейди, келгиндини езеди, жетим ҳәм жесирге зулымлық қылады.
8. Сен Мениң мухаддес нәрселеримди ҳүрмет етпедиң, Шаббатыма бийпәрўа болдың.
9. Араңызда жала жаўып, қан төгетуғынлар, төбешиклерде бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасатуғынлар ҳәм уятсыз қылықларды қылатуғынлар бар.
10. Араңызда әкесиниң ҳаялы менен жататуғынлар, етек кири келип жүрген ҳаялды зорлайтуғынлар бар.
11. Биреўи қоңсысының ҳаялы менен жеркенишли ис қылса, басқасы шерменделерше келинин ҳарамлайды, басқасы туўысқан қарындасының намысына тийеди.
12. Сендеги адамлар қан төгиў ушын пара алады. Сен өсим ҳәм үстеме аласаң, зорлық пенен жақыныңның мал-мүлкин тартып аласаң, ал Мени болса, умыттың, – дейди Қудай Ийе.
13. – Минекей, ҳарам пайдаң ҳәм ишиңде қан төккениң ушын Мен ашыў менен алақанымды алақаныма ураман.
14. Мен саған қарсы ҳәрекетке кирген күни жүрегиң даў берип, қолыңда күшиң қалар ма екен? Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман.
15. Мен сени миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен ҳәм араңыздағы ҳарам ислерге шек қояман.
16. Халықлардың көз алдында хор болғаныңда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».
17. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18. – Инсан улы, Израил халқы Мен ушын ғаўажақтай қәдирсиз болып қалды. Олардың ҳәммеси – ошақтағы мыс, қалайы, темир ҳәм қорғасын. Олар гүмистен қалған ғаўажаққа айланды.
19. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Ҳәммеңиз ғаўажаққа айланғаныңыз ушын, Мен сизлерди Ерусалимге жыйнайман.
20. Отты алыстырып, гүмисти, мысты, темирди, қорғасынды ҳәм қалайыны еритиў ушын ошаққа салғанындай, Мен де қәҳәр-ғәзебим менен сизлерди жыйнайман, ҳәммеңизди салып, еритемен.
21. излерди жыйнап, ғәзеп отымды үстиңизге үплеймен ҳәм қала ишинде ерип кетесиз.
22. Гүмистиң ошақта еригениндей, сизлер де қала ишинде ерийсиз. Сонда ғәзеп отын үстиңизге төккен Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
23. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24. – Инсан улы, елге: «Сен тазаланбаған жерсең. Ғәзеп күни жаўын менен суўғарылмағансаң», – деп айт.
25. Оның ишиндеги ҳүкимдарлары ырылдап, олжасын тилкимлеп атырған арысланға уқсайды. Олар адамларды жейди, мүлик ҳәм байлықларды тартып алады, жесирлердиң санын көбейтеди.
26. Оның руўханийлери нызамымды бузады, мухаддес затларымды ҳарамлайды. Мухаддес зат пенен ҳарам затты парықламайды. Ҳадал менен ҳарамның айырмашылығын түсиндирмейди. Шаббатыма көз жумады, Мен олардың арасында хорланып атырман.
27. Олардың ҳәмелдарлары олжасын тилкимлеп атырған қасқырға уқсайды. Байлық арттырыў ушын қан төгеди, адамлардың жанын алады.
28. Ал пайғамбарлары болса олардың қылмысларын ҳәк пенен ақлайды. Өтириктен аянлар көрип, Жаратқан Ийе солай айтпаса да: «Қудай Ийе усылай айтады», – деп жалған болжаўлар айтады.
29. Елдиң халқы бирин бири езеди, тонайды, жарлы ҳәм кәмбағалға зулымлық қылады, келгиндини наҳақ жәбирлейди.
30. Елди жоқ қылмаўым ушын, дийўалдың бузылған жерлерин дүзететуғын, оның бузылған жерине қалқан болып, сол жер ушын Мениң алдымда туратуғын биреўди изледим, бирақ таба алмадым.
31. Солай етип, Мен оларға қәҳәримди төгемен, ғәзеп отым менен жоқ қыламан ҳәм қылған қылмысларына жараса жазасын беремен, – дейди Қудай Ийе.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы! Бир анадан туўылған еки қыз бар еди.
3. Олар жаслық шағынан-ақ бузық жолға түсип, Мысырда бузықшылық қылды. Сол жерде олардың көкиреги сыйпаланып, қызлық емшеклери аймаланды.
4. Үлкениниң аты Оҳола, кишкенесиниң аты Оҳолиба еди. Олар Меники болды, ул ҳәм қызлар туўды. Оҳола – Самарияны, Оҳолиба – Ерусалимди билдиреди.
5. Оҳола Меники бола тура, бузықшылық етип, ойнаслары болған ассириялылардың ышқында жанды.
6. Булар қызғыш көк реңли липас кийген жаўынгерлер, ҳәкимлер ҳәм лаўазымлы адамлар болып, ҳәммеси саўлатлы жигитлер ҳәм атқа минген әскерлер еди.
7. Оҳола Ассирияның көрнекли адамлары менен бузықшылық қылды ҳәм өзи ышқында жанғанлардың бутлары менен өзин ҳарамлады.
8. Ол Мысырда баслаған бузықшылығын тасламады. Жаслығында-ақ еркеклер оның менен жатып, қызлық емшеклерин аймалап, қумарларын қандырған еди.
9. Сонлықтан Мен оны өзи ышқында жанған ойнасларының қолына, ассириялылардың қолына бердим.
10. Олар Оҳоланы тырдай жалаңаш қылып шешиндирди, ул-қызларын тутқын қылып алып, өзин қылыш пенен өлтирди. Оған усындай ҳүким шығарылды ҳәм ол ҳаяллар арасында шерменде болды.
11. Оҳоланың сиңлиси Оҳолиба буны көрсе де, қумарлығы ҳәм бузықшылығы менен әжапасынан да асып түсти.
12. Ол да ассириялылардың ҳәкимлери менен лаўазымлы адамларының, безенип кийинген жаўынгерлери менен атлы әскерлериниң, барлық саўлатлы жигитлериниң ышқында жанды.
13. Мен оның да өзин ҳарамлағанын көрдим. Олардың екеўиниң де жолы бир еди.
14. Оҳолиба бузықшылығын арттырды. Ол қызыл рең менен дийўалға сызылған калдейли еркеклердиң сүўретин көрди.
15. Олардың беллеринде қайыс, басларында желбиреген сәллелери болып, ҳәммеси калдейлердиң жеринде туўылған бабилониялы ләшкербасыларға уқсайтуғын еди.
16. Оларды көриўден, Оҳолибаның ышқы кетти ҳәм калдейлердиң жерине шабарманлар жоллады.
17. Бабилониялылар оның жанына, ышқы төсегине келди ҳәм бузықшылық қылып, оны ҳарамлады. Оҳолиба ҳарамланғаннан кейин, олардан жеркениш пенен жүз бурды.
18. Ол ашық түрде бузықшылыққа берилип, жалаңаш денесин көрсеткенде, оның әжапасынан жеркенип жүз бурғанымдай, оннан да жеркенип, жүз бурдым.
19. Деген менен, ол Мысырда бузықшылық қылған жаслығын еслеп, және де көбирек бузықшылық қыла баслады.
20. Ол жынысый ағзалары ешектикиндей, урығы айғырдикиндей болған ойнасларына ынтықты.
21. Солай етип, сен мысырлылар емшеклериңди аймалап, көкиреклериңди сыйпалаған жаслығыңдағы уятсыз қылықларыңды сағындың.
22. Сонлықтан, Оҳолиба, Қудай Ийе былай дейди: «Мен өзиң жеркенип жүз бурған ойнасларыңды өзиңе қарсы қозғайман, оларды ҳәмме жақтан жыйнап алып келемен.
23. Бабилониялыларды, барлық калдейлерди, пеқод, шоа ҳәм қоа урыўларының адамларын, олар менен бирге барлық ассириялылардың саўлатлы жигитлерин, ҳәкимлерин, лаўазымлы адамларын, ләшкербасыларын ҳәм жаўынгерлерин – барлық атқа минерлерин алып келемен.
24. Олар қураллар, саўаш ҳәм жүк арбалар, көплеген халықлар менен келип, сени жән-жақтан үлкен-киши қалқан ҳәм дуўлыға менен қоршаўға алады. Мен оларға сени ҳүким қылыў ықтыярын беремен, олар өзиниң әдет-дәстүрлери бойынша ҳүким қылады.
25. Мен саған қарсы қызғанышымды қозғайман. Олар сени реҳимсиз жазалайды. Қулақ ҳәм мурныңды кесип таслайды, аман қалғанлар қылыштан өткериледи. Улларыңды ҳәм қызларыңды тутқынға алады, аман қалғанларды от жандырып жоқ қылады.
26. Үстиңдеги кийимлериңди шешип алып, қымбатбаҳа тағыншақларыңды алады.
27. Мен сениң Мысырдан алып келген азғынлығың менен уятсыз қылығыңа шек қояман. Енди оларға көз салмайтуғын ҳәм Мысырды еске алмайтуғын боласаң.
28. Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен сени өзиң жек көрген, кеўлиң жеркенген адамлардың қолына тапсыраман.
29. Олар саған аяўсыз қатнас жасайды, мийнет пенен жыйнағанларыңды алып кетеди, өзиңди тырдай жалаңаш қалдырады. Усылайынша сениң уятсыз жалаңашлығың, уятсызлығың ҳәм бузықшылығың аян болады.
30. Булар сениң миллетлер менен бузықшылық ислегениң, олардың бутлары менен өзиңди ҳарамлағаның себепли жүз береди.
31. Сен әжапаңның жолынан жүрдиң, сол себепли оған ишкизген жаза кесемнен саған да ишкиземен.
32. Қудай Ийе былай дейди: Сен әжапаңның шүңгил ҳәм кең кесесинен ишесең. Сениң үстиңнен күледи, масқара боласаң. Кесеге жүдә көп кетеди.
33. Сен мәс боласаң ҳәм қайғыға батасаң. Бул қырғын ҳәм ўайраншылық кесеси, бул әжапаң Самарияның кесеси.
34. Оннан ишип, таўысасаң, оны сындырып, көкирегиңди тилкимлейсең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
35. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сен Мени умытып, Маған арқаңды қаратқаның ушын, уятсызлығыңның ҳәм бузықшылығыңның жазасын тарт».
36. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Инсан улы, Оҳола менен Оҳолибаны ҳүким қыл! Олардың жеркенишли ислерин әшкаралап айт!
37. Олар неке ҳадаллығын бузды, қоллары қанға былғанған. Олар бутлар менен бузықшылық қылды, ҳәтте, Маған туўып берген балаларын да, бутларға азық қылып, жандырып усынды.
38. Олар Маған және мынаны да қылды: сол күни олар Мениң Мухаддес мәканымды да ҳарамлады ҳәм Шаббатымды хорлады.
39. Балаларын бутларға арнап шалған күни, олар Мениң Мухаддес мәканыма кирип, оны ҳарамлады. Олар Мениң Үйимде, мине, усыларды иследи.
40. Ҳәтте, олар алыс жердеги адамларға шабарманлар жиберди, олар да келди. Олар келгенде, апа-сиңлилер олар ушын жуўынды, көзлерин бояды ҳәм әшекөйлерин тақты.
41. Жайылған толы дастурхан қасындағы сулыў төсекке отырды. Дастурханға Мениң хош ийисли түтеткимди ҳәм зәйтүн майымды қойды.
42. Кәйпи-сапа қурып отырған аламан даўысы еситилип турды. Шөл даладан келген бул мәскүнемлер апа-сиңлиниң қолына билезик тақты, басына әжайып таж кийдирди.
43. Сонда Мен бузықшылық ислеп, ҳалдан тайған ҳаяллар туўралы былай дедим: «Еркеклер бул ҳаялларға жезөкшедей қатнас жасасын, себеби олар сондай».
44. Олар жезөкшениң жанына киргендей, олар менен жатты. Солай етип, уятсыз ҳаяллар Оҳола ҳәм Оҳолибаға усылай қатнас жасалды.
45. Бирақ әдил адамлар оларды неке ҳадаллығын бузғанлықта ҳәм қанхорлықта айыплап, ҳүким шығарды. Өйткени олар бузық ҳаяллар болып, қоллары қанға былғанған еди.
46. Қудай Ийе былай дейди: Оларға қарсы аламанды жыйнап алып келип, оларды қорқынышқа салып, тонат.
47. Аламан оларды тас боран қылады, қылышы менен шабады. Балаларын ҳәм қызларын өлтиреди, үйлерин жағып жибереди.
48. Усылайынша Мен елдеги уятсыз ислерге шек қояман, пүткил ҳаяллар буннан сабақ алып, сизлерге еликлемейтуғын болады.
49. Сизлер уятсыз қылықларыңыз ҳәм бутқа табынғаныңыз ушын жазаңызды аласыз. Сонда сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз.
1. Сүргинде болған ўақтымыздың тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, усы күнди, бүгинги сәнени жазып қой. Бабилония патшасы усы бүгин Ерусалимди қамал қылды.
3. Бул қозғалаңшы халыққа бир тымсал айтып, Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қазанды қой, қазанды қойып, ишине суў қуй.
4. Оған гөштиң жақсы бөлеклерин: жамбас ҳәм жаўырын гөшлерин салып, сайланды жиликлерге толтыр.
5. Сүриўдеги қойдан сайлап ал. Астына от жағып, сүйегин жақсылап қайнат.
6. Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Тат басып, таты тазаланбаған бул қазан ҳәсирет шегеди! Шек таслап сайламастан, гөшти бөлек-бөлек қылып алып, ылақтырың.
7. Қаланың қаны оның ортасында. Ол қанды кейин шаң менен бастырылып қалатуғын жерге емес, ал жалаңаш жартастың үстине төкти.
8. Өш алыўға деген ғәзебимди оятыў ушын, Мен де қанды жартас үстинде қалдырдым, оны жасырып болмайды.
9. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Қанхор қала ҳәсирет шегеди! Мен үлкен қылып отын үйемен.
10. Отынды мол етип салып, отты алыстыр, гөшти қайнат ҳәм дәм бериўши затларды қос. Сүйеклер де күйип күл болсын.
11. Қазанды босат, көмирдиң үстине қойып, қыздыр. Мыс қызып, ишиндеги патаслық ерисин ҳәм таты күйип кетсин.
12. Бирақ барлық мийнетим босқа кетти, қалың татты еритиў ушын, ҳәтте, от та жәрдем бермеди.
13. Уятсыз қылығың сени ҳарамлады. Сени тазаламақшы болғанымда, сен тазаланбадың. Сол себепли үстиңе ғәзебимди толық төгип болмағанша, тазаланбайсаң.
14. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман. Мениң ҳәрекетке киретуғын ўақтым болды. Мен Өзимди тоқтатпайман, аямайман, реҳим де қылмайман. Сен өз жолың ҳәм ислериңе гөре ҳүким қылынасаң, – дейди Қудай Ийе».
15. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
16. – Инсан улы, мен бир соққы менен сени көзиңе қәдирли болған адамнан жуда қыламан. Бирақ жоқлаў айтпа, жылама, көз жас төкпе.
17. Ишиңнен жыла, марҳум ушын аза тутпа. Сәллеңди ҳәм аяқ кийимиңди шешпе, сақалыңды жаўма, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жеме.
18. Азанда мен халық пенен сөйлестим, кеште ҳаялым қайтыс болды. Келеси күни азанда мен өзиме буйырылғанларды орынладым.
19. Сонда адамлар меннен: – Сен ислеп атырған бул нәрселердиң бизлер ушын қандай мәниси бар? – деп сорады.
20. Мен оларға Жаратқан Ийеден маған мынадай сөз түскенин айттым:
21. «Израил халқына айт, Қудай Ийе былай дейди: Күшиңиздиң мақтанышы, көзиңизге қәдирли ҳәм жаныңыздың арзыўы болған Мухаддес мәканымның ҳарамланыўына жол қояман. Қалдырып кеткен ул ҳәм қызларыңыз қылыштан қырылады.
22. Сонда Езекиел не қылған болса, сизлер де соны қыласыз. Сақалыңызды жаўмайсыз, кеўил айтыўға келгенлер әкелген аўқаттан жемейсиз.
23. Сәллеңиз басыңызда, аяқ кийимиңиз аяғыңызда болады. Жоқлаў айтпайсыз, жыламайсыз. Қылмысларыңыздың зардабынан димарыңыз қурып, бирге нала шегесиз.
24. Езекиел сизлер ушын белги болады. Ол не ислеген болса, сизлер де солай ислейсиз. Булар жүз бергенде, сизлер Мениң Қудай Ийе екенимди билесиз».
25. Буннан кейин Қудай Ийе маған былай деди: – Саған келсек, инсан улы, Мен олардың қорғанын, салтанатлы шадлығын, көзине қәдирли болған нәрсесин ҳәм жанының арзыўын, сондай-ақ улларын ҳәм қызларын тартып алғанымда,
26. сол күни қашып қутылған бир адам хабарды жеткериў ушын саған келеди.
27. Сонда және тилге кирип, сол адам менен сөйлесесең, артық тилиң тутылмайды. Сен халқым ушын бир белги боласаң, сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, жүзиңди аммонларға қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.
3. Оларға айт: «Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе былай дейди: Мухаддес мәканым ҳарамланғанда, Израил жери ўайран қылынғанда ҳәм Яҳуда халқы тутқынға түскенде, „Ҳайҳай“ деп олардың үстинен күлгениңиз.
4. Сонлықтан Мен сизлерди шығыс халықларының ийелигине беремен. Олар елиңизге орда қурып, шатырларын тигеди, өнимлериңизди жеп, сүтиңизди ишеди.
5. Рабба қаласын түйелердиң өрисине, Аммон елин қойлардың қорасына айландыраман. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
6. Қудай Ийе былай дейди: Сен қол шаппатлап, аяқ тапырлатып, Израил жерин жек көрип, бахытсызлығына шын жүректен қуўандың.
7. Сонлықтан Мен де саған қарсы қол көтерип, сени халықларға олжа қылып беремен. Сени халықлар арасынан жоқ қыламан, еллер арасынан қуртып, туқымқурт қыламан. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
8. Қудай Ийе былай дейди: Моаб пенен Сеир: „Яҳуда халқының басқа халықлардан артықмашлығы жоқ“, – деп айтты.
9. Сонлықтан Моабтың қапталын елдиң мақтанышы болған Бейт-Ешимот, БаалМеон ҳәм Кирятайым қалаларынан баслап ашып таслайман.
10. Моабты аммон халқы менен бирге шығыс халықларының ийелигине беремен. Аммон халқы миллетлер арасында еске алынбайтуғын болады.
11. Мен Моаб үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
12. Қудай Ийе былай дейди: Эдом қаслық пенен Яҳудадан өш алып, аўыр гүнаға қол урды.
13. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Эдомға қарсы қолымды көтеремен, ондағы адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қыламан, ал елди шөлге айландыраман. Теманнан Деданға шекемги халық қылыштан қырылады+.
14. Мен халқым Израилдың қолы менен Эдомнан өш аламан. Олар Эдомда Мениң қәҳәр-ғәзебим менен ҳәрекет етеди. Сонда эдом халқы Мениң өш алыўымның қандай екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе.
15. Қудай Ийе былай дейди: Әййемнен душпанлығы болған филистлер яҳудалылардан өш алыўға ҳәрекет етти, жүрегиндеги жек көриўшилик себепли оларды жер менен жексен етип өш алды.
16. Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: Мине, Мен филистлерге қарсы қолымды көтерип, керетлерди жоқ қыламан ҳәм олардың теңиз жағасында қалғанларын қырып жиберемен.
17. Ғәзеп пенен жазалап, олардан қатты өш аламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың он биринши жылы, айдың биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Тир Ерусалим туўралы: «Ҳай-ҳай! Халықлардың дәрўазасы болған қала бузылды. Мен ушын қапылары ашылды. Ол ўайран болды, мен болсам, байып кетемен», – деп атыр.
3. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Тир, Мен саған қарсыман. Мен көплеген миллетлерди саған қарсы көтеремен. Олар теңиз толқынларының көтерилгени киби саған жапырылып келеди.
4. Олар дийўалларыңды ўайран қылып, минараларыңды қулатады. Мен қаланың топырағын сыпырып таслап, оны жалаңаш таслаққа айландыраман.
5. Теңиздеги бул жер балықшылар аў жаятуғын жер болады. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе. – Тир қаласы халықларға олжа болады.
6. Қурғақлықтағы қалаларының турғынлары қылыштан өткериледи. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
7. Қудай Ийе былай дейди: – Мен патшалар патшасы болған Бабилония патшасы Набуходоносорды Тирге қарсы қозғайман. Ол арқадан атлар, саўаш арбалары, атлылар ҳәм топ-топ ләшкерлерин ертип келеди.
8. Тир, олар қурғақлықтағы қалаларыңның турғынларын қылыштан өткереди. Қала әтирапына қамал минараларын қурады, қала дийўалына қыялатып топырақ үйеди, саған қарсы қалқанлар орнатады.
9. Дийўал бузатуғын қураллар менен дийўалларыңды ояды, шөккишлери менен минараларыңды бузады.
10. Атлардың көплигинен сени шаң-тозаң қаплайды. Дәрўазаларыңнан киргенде, дийўаллары бузылған қалаға бастырып киргендей, атлылардың, дөңгелеклердиң ҳәм арбалардың шаўқымынан дийўалларың титирейди.
11. Атларының туяқлары барлық көшелериңди басқылап таслайды. Адамларың қылыштан қырылады, үлкен кийели тасларың жер менен жексен болады.
12. Олар байлығыңды талап, сатылатуғын буйымларыңды басып алады. Дийўалларыңды жығып, саўлатлы имаратларыңды ўайран қылады, тасларыңды, ағашларыңды ҳәм топырағыңды теңизге ылақтырады.
13. Мен қосықларыңның айтылыўына шек қояман, лираларыңның сести қайтып еситилмейди.
14. Сени жалаңаш таслаққа айландыраман, сен аў жаятуғын орын боласаң. Енди ҳеш қашан қайта тикленбейсең. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
15. Қудай Ийе Тир қаласына былай дейди: Қулаўыңның шаўқымынан, жарадарлардың ыңқылдысынан, басыңа түскен қырғыннан атаўлардағы ҳәм жағалаўлардағы халықлар титиремей ме?
16. Барлық теңиз ҳүкимдарлары өз тахтларынан түсип, шапанларын ҳәм кестели кийимлерин шешеди. Қорқынышқа бүркенип жерге отырады, тоқтаўсыз қалтырасып, аўҳалыңды көрип аң-таң болады.
17. Кейин саған жоқлаў айтып, былай дейди: „О, теңизшилер жасаған, Теңизде даңқ таратқан қала, Қалай набыт болдың! Сен ҳәм сенде жасағанлар, Теңизде қүдиретли едиңлер. Сен ол жерде жасайтуғынлардың ҳәммесиниң, Ҳүрейин ушырдың.
18. Сен қулаған күни атаўлар титиреди, Теңиз жағасындағылар сениң набыт болыўыңнан қорқып қалды“.
19. Қудай Ийе былай дейди: Сени кимсесиз қалған қалаға уқсатып, қарабақанаға айландырғанымнан кейин, туңғыйық суўларын көтерип, үлкен суўларды үстиңе бастырғанымнан кейин,
20. сени өлим шуқырына түскенлер менен бирге әййемги халықтың жанына түсиремен. Туңғыйыққа түскенлер менен бирге, ески қарабақаналар арасына, жер астындағы дүньяға орналастыраман. Солай етип, саған ҳеш ким мәкан баспайды ҳәм сен тирилер әлеминде ҳүрметке ериспейсең.
21. Мен ақыбетиңди қорқынышлы қыламан, сен жоқ боласаң. Сени излейди, бирақ ҳеш қашан таба алмайды, – дейди Қудай Ийе».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Тирге арнап жоқлаў айт.
3. Теңиз дәрўазасында мәкан басқан ҳәм жағалаўлардағы халықлар менен саўда-сатық қылатуғын Тир қаласына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тир, сен: „Мен гөззаллықта минсизбен“, – дедиң.
4. Сениң шегараларың теңиз қойнында еди. Қурылысшыларың гөззаллығыңды минсизликке еристирди.
5. Қаптал тахтайларың Сенир таўындағы сәрўи ағашларынан, Тайынланған үлкен кемедей едиң. Өрелигиңди соғыў ушын, Лебаноннан кедр ағашын алып келди.
6. Ескеклериңди Башан еменлеринен, Еденлик тахтайларыңды Кипр жағалаўларындағы қарағайлардан соғып, Пилдиң сүйеги менен безеди.
7. Мысырдың нағыслы зығыр таўары, Саған желқом қылып қойылды, Ол сен ушын байрақ болды. Элиша жағалаўларынан алып келинген, Қызғыш көк ҳәм шым қызыл таўарлар саған саябан қылынды.
8. Ескекшилериң Сидон ҳәм Арўад турғынлары еди, Шебер адамларың, Тир, Сениң дарғаларың еди.
9. Кемениң жарықларын питеў ушын, Гебаллы тәжирийбели адамлар ҳәм усталар сенде бар еди. Алды-сатты қылыў ушын, Теңиздеги барлық кемелер ҳәм теңизшилер саған келетуғын еди.
10. Кемениң жарықларын питеў ушын, Гебаллы тәжирийбели адамлар ҳәм усталар сенде бар еди. Алды-сатты қылыў ушын, Теңиздеги барлық кемелер ҳәм теңизшилер саған келетуғын еди.
11. Арўад ҳәм Хелехтен келгенлер, Дийўалларыңда айланып турып сақшылық етти. Гаммадтан келгенлер минараларыңда хызмет етти. Олар қалқанларын дийўалларыңа асып қойып, Көркиңе көрик қосты.
12. Сениң байлығың аса көп болғанлықтан, Таршиш те сениң менен саўда-сатық иследи. Олар берген затларыңның орнына гүмис, темир, қалайы ҳәм қорғасын берди.
13. Яўан, Тубал ҳәм Мешех саўдагерлери сениң менен саўда иследи. Олар сен берген затлардың орнына қулларды ҳәм қоладан исленген буйымларды берди.
14. Тогарма турғынлары сен берген затлардың орнына ябыларды, әскерий атларды ҳәм ғашырларды берди.
15. едан халқы да сениң менен саўда-сатық қылды. Теңиз жағасындағы көплеген еллердиң базары сениң қолыңда еди. Олар пил сүйегин ҳәм эбон терегин саған төлем қылып беретуғын еди.
16. Затларыңның көплиги себепли, Арам да сениң менен саўда-сатық қылды. Олар сениң затларыңның орнына периўза таслар, шым қызыл гезлемелер, нағыслы кийимлер, ҳасыл зығыр таўарлар, маржан ҳәм рубин берди.
17. Яҳуда менен Израил да сениң менен саўда-сатық қылды. Олар сениң буйымларыңның орнына Минниттен алып келинген бийдай, сондай-ақ мазалы затлар, пал, зәйтүн майын ҳәм мәлҳәм берди.
18. Сениң затларыңның көплиги ҳәм шексиз байлығың себепли, Дамаск Хелбоннан шарап ҳәм Захардан жүн алып келип, сениң менен саўда-сатық қылды.
19. Узалдан келген Ўедан ҳәм Яўан халықлары сеннен затлар сатып алып, олардың орнына ислеў берилген темир, кассия ҳәм хош ийисли қамыс беретуғын еди.
20. Дедан аттың ерине жабатуғын қымбатбаҳа гилемлери менен саўда қылды.
21. Арабстан ҳәм Кедардың барлық бийлери сениң қарыйдарларың еди. Олар қозылар, қошқарлар ҳәм ешкилер алып келип, сениң менен саўда иследи.
22. Шеба менен Рааманың саўдагерлери сениң менен саўда қылып, алған затларының орнына ең жақсы хош ийисли затлар, қымбатбаҳа таслар ҳәм алтын беретуғын еди.
23. Харан, Канне, Эден қалалары, Шеба, Ашшур ҳәм Килмад саўдагерлери сениң менен саўда-сатық қылды.
24. Олар қымбатбаҳа кийимлер, қызғыш көк ҳәм нағыслы гезлемелер, рәңбәрәң гилемлер ҳәм жақсылап есилген жиплерди саған сатты.
25. Таршиш кемелери кәрўанларың болып хызмет етти. Сен теңиз қойнында аўыр жүкке толдың.
26. Ескекшилериң сени ашық теңизге алып шықты. Шығыс самалы сени теңиз қойнында қыйратты.
27. Қыйраған күниң, байлығың, затларың, буйымларың, теңизшилериң, дарғаларың, жарықларды питеўшилериң, саўдагерлериң, әскерлериң ҳәм кемеде болған ҳәмме адамларың теңиз түбине ғарқ болады.
28. Дарғаларыңның қышқырығынан, Жағадағы дала ләрзеге келеди.
29. Барлық ескекшилер кемелерин тәрк етеди. Теңизшилер ҳәм дарғалар жағаға шығып алады.
30. Олар сен ушын пәрияд қылады, Дадлап ашшы көз жас төгеди. Басларына топырақ шашып, Күлге аўнайды.
31. Шашларын алдырып, Аза кийимин кийеди. Сениң ушын жүреклери езилип, Зар еңиреп, аза тутады.
32. Олар ағыл-тегил болып жылап, Сен ушын былай деп жоқлаў айтады: „Теңиз ортасында қыйраған, Тир киби басқа қала бар ма?
33. Затларың теңизден шыққанда, Көп миллетлерди тойдырдың. Байлығыңның ҳәм алды-саттыңның көплиги менен, Жердиң патшаларын байыттың.
34. Ал теңизде қыйрап, суў түбине шөккениңде, Буйымларың ҳәм адамларың сениң менен бирге суўға ғарқ болды
35. Атаўларда жасаўшылар сен туўралы еситкенде жанлары түршикти, Патшаларының зәрреси ушып, жүзинде қан қалмады.
36. Басқа халықлардың саўдагерлери сени табалады. Ақыбетиң қорқынышлы болды, Сен мәңгиге жоқ боласаң“».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Тирдиң ҳүкимдарына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сениң көкирегиң көтерилип, мен қудайман, теңиз қойнындағы қудайлардың тахтында отырыппан, дедиң. Өзиң қудай емес, адам бола тура, өзиңди қудайға тең билесең.
3. Сен Даниелден де дана екенсең-дә, сеннен жасырын сыр жоқ екен-дә!
4. Даналығың ҳәм ақылың менен байлық арттырдың ҳәм ғәзийнеханаңа алтын менен гүмис жыйнадың.
5. Саўда-сатықтағы даналығың менен байлық арттырдың ҳәм байлығың себепли менменсип кеттиң.
6. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өзиңди қудайдай дана билгениң ушын,
7. үстиңе жат жерлилерди, миллетлердиң ең жаўызын алып келемен. Олар даналығың жаратқан гөззаллыққа қарсы қылышларын жалаңашлайды ҳәм нурлы салтанатыңды сөндиреди.
8. Өзиңди гөрге тығады ҳәм сен теңиз қойнындағы қалаңда жаўызлық пенен өлтирилесең.
9. Сонда өзиңди өлтиргенлер алдында: „Мен қудайман“, – дей аласаң ба? Өзиңди өлтиргенлердиң қолында сен қудай емес, ал әпиўайы бир адам боласаң.
10. Сен жат жерлилердиң қолынан сүннетсизлердиң өлими менен өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе».
11. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
12. – Инсан улы, Тир патшасы ушын жоқлаў айт ҳәм оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сен минсизлик тымсалысаң, Даналыққа толған, гөззаллықта бәркамал едиң.
13. Сен Эденде, Қудайдың бағында едиң. Сердолик, хризолит, гагат, Сары яқыт, оникс, яшма, Лазурит, периўза, зүмрет сыяқлы, Қымбатбаҳа тасларға безендиң. Безениў буйымларың алтыннан исленген еди. Сен жаратылған күни, булар таярланған еди.
14. Сен майланған қорғаўшы керуб едиң, Усы иске сени Мен қойған едим. Сен Қудайдың мухаддес таўы үстинде едиң, Отлы таслар арасында жүрер едиң.
15. Жаратылған күниңнен баслап, Қылмысқа қол урғанға дейин, Өз жолыңда минсиз едиң.
16. Саўдаңның көплиги себепли, Ишиң наҳақлыққа толды, Гүнаға қол урдың. Мен сени ҳарам деп санап, Қудайдың таўынан ылақтырдым. Қорғаўшы керуб, сени, Отлы таслардың арасынан қуўып жибердим.
17. Гөззаллығың себепли жүрегиң тәкаббирленди, Даңқпаразлығың себепли даналығыңды жоқ қылдың. Соған бола, Мен сени жерге ылақтырдым, Патшалар алдында шерменде қылдым.
18. Қылмысларыңның көплиги менен, Саўда-сатықтағы наҳақлығың менен, Өз мухаддес орынларыңды ҳарамладың. Сонда Мен ортаңнан от шығардым, Ол сени жалмап қойды. Көргенлердиң көз алдында, Сени күлге айландырдым.
19. Халықлар арасында сени таныйтуғынлардың ҳәммеси, Аўҳалыңа таң қалды. Ақыбетиң қорқынышлы болды, Сен мәңгиге жоқ боласаң».
20. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
21. – Инсан улы, жүзиңди Сидонға қарай бурып, оған қарсы пайғамбаршылық қыл.
22. Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, Сидон, Мен саған қарсыман. Мен сениң ишиңде даңққа ерисемен. Саған ҳүким шығарып, Өз мухаддеслигимди аян қылғанымда, Ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
23. Мен Сидонға иллет жиберемен, Көшелеринде қан төгиледи. Жән-жақтан урылған қылыштан, Қала ортасында қаза тапқанлар қулап жатады. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
24. Израил халқын жек көретуғын қоңсылардың ҳеш бири, енди қайтып Израилға жаралаўшы тикен ямаса ушлы жантақтай болмайды. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи.
25. Қудай Ийе былай дейди: Халықлар арасына тарқатып жиберилген израиллыларды жыйнап алғанымда, миллетлердиң көз алдында оларға Өз мухаддеслигимди аян етемен. Кейин олар өз жерлерине, қулым Яқыпқа берген жерлерге мәкан басады.
26. Ол жерде қәўипсиз жасайды, үйлер қурады, жүзимзарлар отырғызады. Дөгеректеги оларды жек көргенлерге ҳүким шығарғанымнан кейин, олар қәўипсизликте жасайды. Сонда олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың оныншы жылының оныншы айының он екинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, жүзиңди Мысыр патшасы фараонға қаратып, оған ҳәм пүткил Мысырға қарсы пайғамбаршылық қыл.
3. Тил қатып, оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Дәрья тармақлары ишинде жатқан, Үлкен айдарҳа, Мысыр патшасы фараон! Мен саған қарсыман. Сен: „Нил өзимдики, Оны өзим ушын жараттым“, – дейсең.
4. Бирақ Мен жағыңа қармақ саламан, Теңгелериңе дәрья тармақларындағы балықларды жабыстыраман. Теңгелериңе жабысқан балықлар менен бирге, Сени суўырып шығараман.
5. Өзиңди де, тармақларыңдағы балықларды да, Шөлистанға ылақтырып таслайман. Сен ашық далада жатасаң, Ҳеш ким сени жыйнамайды, көтерип алмайды. Сени жердеги жабайы ҳайўанларға, Аспандағы қусларға жемтик қыламан.
6. Сонда Мысырда жасайтуғын ҳәр бир адам, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Себеби сен Израил халқы ушын қамыс ҳаса болдың.
7. Израил халқы сени услағанда, сынып кетип, олардың ийнин жарақатладың. Ал сүйенгенде, сен сынып, оларды тентиреклетип жибердиң.
8. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен саған қылыш жиберип, сениң адамларың менен малларыңды қырып таслайман.
9. Мысыр жерин адамсыз қуў далаға айландыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. „Нил өзимдики, оны өзим ушын жараттым“, – дегениң ушын,
10. Мен саған ҳәм дәрьядағы тармақларыңа қарсы шығаман. Мысыр жерин Мигдолдан Сиўенеге шекем ҳәм Хабашстан шегараларына шекем қаңыраған қуў далаға айландыраман.
11. Ол жерге адам аяқ баспайды, ҳайўан туяғы тиймейди. Ол жерде қырық жыл адам жасамайды.
12. Мен Мысырды қаңырап қалған еллердиң ишиндеги ең жаманына айландыраман. Оның қалалары ўайран етилген қалалардың ең ўайран болғаны болып, қырық жыл адамсыз қалады. Мысырлыларды басқа халықлар арасына тарқатып, жат жерлерге шашып жиберемен.
13. Қудай Ийе былай дейди: Қырық жылдан кейин, тарқатып жиберилген мысырлыларды халықлардың арасынан жыйнайман.
14. Мысырлыларды сүргиннен қайтарып, өзлериниң туўылған журты Патрусқа алып келемен. Ол жерде олардың патшалығы ҳәлсиз болады.
15. Ол ҳәлсизирек патшалық болып, артық халықлардан үстин болмайды. Олар халықлар үстинен ҳүкимдарлық қылмаўы ушын, Мен оларды азайтаман.
16. Мысыр енди ҳеш қашан Израилға сүйениш болмайды. Керисинше, Мысырдың бахытсызлығы оларға Мысырдан жәрдем сораў арқалы гүна ислегенин еслетеди. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи».
17. Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма жетинши жылының биринши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18. – Инсан улы, Бабилония патшасы Набуходоносор Тир менен урысыў ушын әскерлерине қатты мийнет еттирди: ҳәмме әскердиң шашы түсип қалды, желкелери қыршылды. Бирақ ол да, әскерлери де Тирден мийнетине жараса олжа ала алмады.
19. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Бабилония патшасы Набуходоносорға Мысыр жерин беремен. Ол Мысырдың байлығын алып кетеди. Оны талан-тараж қылады, олжалап алып кетеди. Бул оның әскерлери ушын мийнет ҳақы болады.
20. Аўа, Мен оған Мысырды мийнети ушын сый қылып беремен, себеби ол ҳәм оның әскерлери Мен ушын мийнет етти, – дейди Қудай Ийе.
21. Сол күни Мен Израил халқын күшли қыламан ҳәм олардың арасында ашық сөйлеў ушын саған сайрап турған тил беремен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, пайғамбаршылық қылып айт: «Қудай Ийе былай дейди: Аҳ, сол күн, деп бақыр!
3. Себеби сол күн жақынласты, Жаратқан Ийениң күни жақынласты. Бул күн қалың бултлы болады, Миллетлердиң қыямет-қайым күни.
4. 4Мысырға қарсы қылыш шығады. Мысырлылар қылыштан қырылғанда, Хабашстанды қорқыныш бийлейди. Мысырдың байлығы алып кетиледи, Тийкары күл-талқан қылынады.
5. Хабашстан, Пут, Луд, жат жерли жалланба әскерлер, Куб ҳәм олар менен питим дүзген еллердиң халқы қылыштан өткериледи.
6. Жаратқан Ийе былай дейди: Мысырдың аўқамласлары қырылады, Мақтанышлы қүдирети қулайды. Мигдолдан Сиўенеге шекем, Ҳәммеси қылыштан өткериледи, – дейди Қудай Ийе.
7. – Олар қаңырап қалған еллердиң ишиндеги, Ең жаманына айланады. Оның қалалары ўайран етилген қалалар ишиндеги, Ең ўайранагершиликке айланғаны болады.
8. Мысырға от берип, Оны қоллағанлардың ҳәммесин жоқ қылғанымда, Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
9. Сол күни қайғы-ғамсыз жасап атырған хабашстанлыларды қорқытыў ушын, Мен кемелер менен хабаршылар жиберемен. Мысырдың қыямет-қайым күнинде, хабашстанлыларды қорқыныш бийлеп алады. Мине, усы күн сөзсиз келеди.
10. Қудай Ийе былай дейди: Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың қолы менен, Көп санлы Мысыр халқын жоқ қыламан.
11. Набуходоносордың өзи ҳәм әскерлери, Барлық халықлар арасындағы ең жаўызы. Ол Мысырды қуртыў ушын алып келинеди. Мысырға қарсы қылышларын жалаңашлап, Жерди өлилерге толтырады.
12. Мен Нилдиң тармақларын қурытып, Елди залымлардың қолына беремен. Елди ҳәм ондағы ҳәмме нәрсени, Жат жерлилердиң қолы менен ўайран етемен. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
13. Қудай Ийе былай дейди: Мен барлық бутларды жоқ қыламан, Нофтағы қудайлардың мүсинлерин қуртаман. Мысырда енди ҳүкимдар болмайды. Мысыр жерин қорқынышқа саламан.
14. Патрус үлкесин ўайран қыламан, Соан қаласына от қояман, Но қаласы үстинен ҳүким шығараман.
15. Мысырдың қорғаны болған Синге, Ғәзебимди төгемен. Но қаласының көп санлы халқын қырып таслайман.
16. Мысырға от қояман, Син шексиз азап шегеди. Но қаласының дийўалы тесиледи, Нофқа күпә-күндиз душпан ҳүжим қылады.
17. Он ҳәм Пий-Бесет жигитлери, Қылыштан набыт болады, Қала халқы сүргин қылынады.
18. Мен Мысырдың бийлик ҳасасын сындырған, Ҳәм де оның мақтанышлы қүдиретин қулатқан күни, Тахпанхесте күн түнекке айланады, Қаланы қара булт қаплайды, Оған қараслы қала-аўыллардың турғынлары сүргин қылынады.
19. Мен Мысыр үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады»
20. Сүргин болған ўақтымыздың он биринши жылының биринши айының жетинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
21. – Инсан улы, Мен Мысыр патшасы фараонның қолын сындырдым. Оның шыпа табыўы ушын, ҳеш ким қолын байламады, қайтып қылыш услаўы ушын, ҳеш ким қолына тахтай салып таңбады.
22. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Мысыр патшасы фараонға қарсыман. Мен оның еки қолын да: саў қолын да, сынған қолын да сындыраман. Қолындағы қылышы жерге түсип кетеди.
23. Мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллер арасына шашып жиберемен.
24. Мен Бабилония патшасының билегине күш берип, қолына қылышымды услатаман. Ал фараонның қолларын сындыраман. Фараон Бабилония патшасының алдында аўыр жарадар болған адамдай ыңырсыйды.
25. Мен Бабилония патшасының қолларына күш беремен, ал фараонның қолларында дәрман қалмайды. Мен Бабилония патшасына қылышымды бергенимде ҳәм ол қылышты Мысыр жерине қарай созғанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
26. Мен мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллердиң арасына шашып жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың он биринши жылының үшинши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Мысыр патшасы фараонға ҳәм оның сансыз халқына былай деп айт: «Уллылықта саған тең келетуғын ким бар?
3. Әнекей, сулыў шақалы, қойыў саялы, Лебанондағы кедр ағашына уқсаған, Ассирияға қара! Оның бойы бәлент болып, Төбеси бултларға тийип туратуғын еди.
4. Суўлар оны суўғарды, Жер асты булақлары оны өсирди. Ағыслары ол өскен жерден ақты, Тармақлары тоғайдағы ҳәмме тереклерди қандырды.
5. Ол тоғайдағы барлық тереклерден бийик болып өсти, Суўға жақсылап қанғанлықтан, Балдақлары ириленип, Шақалары узайды.
6. Аспандағы барлық қуслар, Шақаларына уя салды. Барлық жабайы ҳайўанлар, Шақалары астында балалады. Барлық уллы миллетлер, Оның саясында жасады.
7. Ол өзиниң бәлентлиги менен, Шақаларының узынлығы менен көркем еди. Себеби тамыры уллы суўларға тийип турған еди.
8. Қудайдың бағындағы кедрлер оның менен беллесе алмас еди. Сәрўилер оның путақларына тең келмес еди. Шынарлардың шақалары оныкиндей емес еди. Қудайдың бағындағы бирде бир терек, Гөззаллықта оған тең келмес еди.
9. Мен оны қалың шақалар менен безедим, Қудайдың Эден бағындағы ҳәмме ағашлар, Оған ҳәўес қылар еди.
10. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Оның бойы өсип, төбеси бултларға жеткенде, ол бийиклигинен тәкаббирленип кетти.
11. Соның ушын Мен оны миллетлердиң ҳүкимдарының қолына бердим ҳәм ол оны өз жаўызлығына жараса жазалады. Мен оны қуўып жибердим.
12. Басқа миллетлердиң ең жаўызы оны кесип, таслап кетти. Шақалары таўларға ҳәм ойпатлықларға түсип, сынған путақлары жердиң барлық сай-салаларында шашылып жатты. Жер бетиндеги ҳәмме миллетлер оның саясын тәрк етип, өзин таслап кетти.
13. Аспандағы барлық қуслар қулаған ағашқа келип қонды, барлық жабайы ҳайўанлар шақалары арасына жайласты.
14. Ендигиден былай, суў бойында өскен ҳеш бир терек бундай бәлент болып өсип, төбеси бултларға тиймеўи, мол суў ишип өскен ҳеш бир терек бундай дәрежеде бәлент болмаўы ушын усылай болды. Олардың ҳәммеси гөрге кирген адамлар менен бирге өлимге, жер астындағы дүньяға тапсырылған.
15. Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашы өлилер мәканына кирген күни, Мен оның ушын аза тутсын деп, жер асты суў көзлерин бекиттим. Олардың ағысын тоқтаттым, мол суўларын ағызбай қойдым. Бул ағаш ушын пүткил Лебанонды түнекке қапладым, барлық тереклерин солыттым.
16. Мен оны гөрге киргенлер менен бирге өлилер мәканына түсиргенимде, қулаўының шаўқымынан миллетлерди титиреттим. Сонда Эден бағының барлық тереклери де, Лебанонның ең жақсы ҳәм сайланды тереклери де, мол суў ишип өскен тереклер де жер астындағы дүньяда тәселле тапты.
17. Оның саясында жасағанлар, яғный халықлар арасындағы оның аўқамласлары оның менен бирге өлилер мәканына түсип, қылыштан қаза тапқанларға қосылды.
18. Эден бағындағы тереклердиң қайсы бири даңқ-атақта ҳәм уллылықта саған тең келеди екен? Бирақ сен Эден тереклери менен бирге жер астындағы дүньяға киресең. Сен қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлердиң арасында жатасаң. Бул фараонның ҳәм оның сансыз халқының тымсалы, – дейди Қудай Ийе».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының он екинши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Мысыр патшасы фараон ушын былай деп жоқлаў айт: «Сен өзиңди халықлар арасындағы арыслан деп билесең, Бирақ өзиң теңиздеги айдарҳаға уқсайсаң. Дәрьяларыңа бой таслайсаң, Аяқларың менен суўларды басқылайсаң, Тармақларын ылайтасаң.
3. Қудай Ийе былай дейди: Үстиңе торымды таслайман. Көплеген халықлар жыйналып, Торым менен сени тартып шығарады.
4. Сени жерге ылақтыраман, Ашық майданға таслайман. Аспандағы барлық қусларды үстиңе қондыраман, Жер бетиндеги барлық жабайы ҳайўанлар саған тояды.
5. Гөшиңди таўларға жайып таслайман, Ойпатлықларды өлигиңе толтыраман.
6. Жерди таўларға дейин аққан қаныңа қандыраман, Сай-салаларды етиңе толтыраман.
7. Сени гүмдан қылғанымнан кейин, көклерди жаўаман, Ондағы жулдызларды түнертемен, Қуяш жүзин булт пенен қаплайман, Ай да сәўле шашыўын тоқтатады.
8. Аспандағы барлық жақтылық шырақларын, Үстиңде қараңғы қыламан, Жериңди зулмат пенен қаплайман, – дейди Қудай Ийе.
9. – Жер бойлап, сен танымайтуғын халықлар арасында, Сениң қулағаныңды жәриялап, Көп халықлардың жүрегине ғулғыла саламан.
10. Көп халықларды саған ҳайран қалдыраман, Алдында қылыш ойнатқанымда, Олардың патшалары сен себепли қалтырап қорқады. Сен қулаған күни, Ҳәр бири өз жаны ушын ҳәр сәтте титирейди.
11. Қудай Ийе былай дейди: Бабилония патшасының қылышы саған дүбейди.
12. Миллетлердиң ең жаўызы болған, Күшли әскерлердиң қылышы менен, Сениң көп санлы халқыңды қыраман. Олар Мысырдың менменлигин аяқ асты қылып, Сансыз халқын қырып жояды.
13. Мол суўлар жанында бағылып атырған, Пүткил малларын жоқ қыламан, Буннан былай, адам аяғы да, Ҳайўан туяғы да бул суўларды басқыламайды.
14. Сонда суўларды тындыраман, Дәрьяларын майдай болып ағатуғын қыламан, – дейди Қудай Ийе.
15. – Мысыр жерин қаңыратып, бос қалдырғанымда, Оны ҳәмме нәрсесинен журдай еткенимде, Онда жасайтуғынларды қырып таслағанымда, Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
16. Мине бул, миллетлердиң қызлары айтатуғын жоқлаў. Мысыр ҳәм оның көп санлы халқы туўралы усы жоқлаўды айтады, – дейди Қудай Ийе».
17. Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылы, айдың он бесинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18. – Инсан улы, Мысырдың көп санлы халқы ушын қайғырып жыла. Оларды ҳәм күшли миллетлердиң қызларын гөрге киргенлер менен бирге жер астындағы дүньяға жибер.
19. Оларға былай деп айт: «Сен өзиңди басқалардан унамлыман деп ойлайсаң ба? Түсип, сүннетсизлер менен бирге жат».
20. Олар қылыштан қаза тапқанлардың арасында жан тапсырады. Қылыш берилди. Мысырды ҳәм оның көп санлы халқын қырып таслаң.
21. Өлилер мәканындағы ең күшли сәркәрдалар Мысыр ҳәм оның аўқамласлары туўралы: «Қылыштан өткерилген сүннетсизлер жер астына түсирилди, олар сол жерде жатырыпты», – дейди.
22. Ассирия ҳәм оның пүткил әскерлери сол жерде жатыр. Қылыштан қаза тапқан әскерлериниң қәбирлери әтирапын қоршап алған.
23. Олардың қәбирлери туңғыйықтың ең түбинде, әскерлери оның әтирапында. Тирилер әлеминде қәўип туўдырғанлардың ҳәммеси қылыштан өткерилип өлтирилди.
24. Элам да сол жерде, көп санлы халқы да оның қәбириниң әтирапында. Олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқан. Тирилердиң әлемине қәўип салған бул сүннетсизлер жер астындағы дүньяға түсти. Олар туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды.
25. Эламға ҳәм оның көп санлы халқына өлтирилгенлер арасынан орын берилди. Адамлары оның дөгерегине қойылды. Олардың ҳәммеси сүннетсиз болып, қылыштан өткерилген еди. Олар тирилер әлеминде қәўип салған еди, енди туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды. Олар қаза тапқанлардың арасына орналасты.
26. Мешех пенен Тубал да сол жерде көп санлы халқы менен бирге жатыр. Адамларының қәбирлери олардың әтирапында. Бул сүннетсизлер де тирилер әлеминде қәўип туўдырғаны ушын қылыштан қаза тапқан.
27. Олар өлилер мәканына қурал-жарақлары менен кирген, қылышлары басына қойылған, сүннет етилмеген батырлар менен бирге жатпайды. Мешех пенен Тубалдың гүналары сүйеклерине орналасып алған. Өйткени олар батырлар киби тирилер әлеминде қәўип туўдырды.
28. Фараон, сен де тас-талқан қылынып, қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлер арасында жатасаң.
29. Эдом да өз патшалары ҳәм барлық ҳүкимдарлары менен бирге ол жерде. Күшлилигине қарамастан, олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқанлар менен бирге қойылған. Олар сүннетсизлер ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге жатыр.
30. Арқа тәрептиң барлық басшылары менен сидонлылар да сол жерде. Олар күшли болып, қәўип салғанына қарамастан, қаза тапқанлар менен бирге шерменделик пенен ол жерге кирди. Бул сүннетсизлер қылыштан қаза тапқанлар менен бирге жатыр ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды.
31. Фараон ҳәм оның барлық әскерлери буларды көрип, өзлериниң қылыштан қаза тапқан сансыз халқы ушын тәселле табады, – дейди Қудай Ийе.
32. Мен оларға тирилер әлемине қорқыныш салыўға жол берген болсам да, фараон ҳәм оның сансыз халқы қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлердиң арасында жатады, – дейди Қудай Ийе.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, өз халқың менен сөйлесип, оларға былай деп айт: «Егер Мен бир елге қылыш жиберсем, сол жердиң халқы өзлеринен бир адамды сайлап, оны гүзетши қылып тайынлайды.
3. Ол жерине киятырған қылышты көрип, кәрнай шалып, халқын ескертеди.
4. Егер биреў кәрнайдың сестин еситсе де, сақланбаса ҳәм қылыш келип, оны өлтирсе, оның қаны өз мойнында қалады.
5. Ол кәрнай сестин еситип турып, итибар бермегени ушын, өз өлимине өзи айыплы. Ал өзин қәўиптен сақлаған адам өз өмирин сақлап қалады.
6. Егер гүзетши қылыш киятырғанын көрсе ҳәм халқын ескертиў ушын кәрнай шалмаса, қылыш келип, олардан биреўиниң жанын алса, онда бул адам өз гүнасы ушын өледи. Бирақ оның қанының қунын Мен гүзетшиден талап етемен».
7. Инсан улы, Мен сени Израил халқы ушын гүзетши қылып тайынладым. Сен Мениң аўзымнан шыққан сөзлерди еситип, оларды Мениң атымнан ескертесең.
8. Мен наҳақ адамға: «Наҳақ адам, сен сөзсиз өлесең!» – десем, ал сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ҳеш нәрсе айтпасаң, онда наҳақ өз гүнасы ушын өледи, бирақ оның қанының қунын сеннен талап етемен.
9. Егер сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ескертсең, бирақ ол өз жолынан қайтпаса, ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң.
10. Инсан улы, сен Израил халқына сизлер былай дейсизлер деп айт: «Бизлер қылмысларымыз бенен гүналарымызға көмилдик, олар бизлердиң димарымызды қуртып атыр. Бул аўҳалда қалай тири қаламыз?»
11. Оларға былай деп айт: «Мен, Қудай Ийе Өз тирилигим ҳақы айтаман: Мен наҳақ адамның өлимин қәлемеймен, оның өз жолынан қайтып, жасаўын қәлеймен. Қайтыңлар! Жаман жолларыңыздан қайтыңлар! Неге өлиўиңиз керек, Израил халқы?!»
12. Инсан улы, өз халқыңа былай деп айт: «Егер ҳақ адам гүна ислесе, оның ҳақлығы оны қутқара алмайды. Егер наҳақ адам туўры жолға кирсе, қылған қылмыслары қулаўына себеп болмайды. Сол сыяқлы, ҳақ адам гүна ислесе, бурынғы ҳақлығы оны тири сақлап қала алмайды.
13. Егер Мен ҳақ адамға жасайтуғынын айтсам, ал ол әдиллигине исенип, гүнаға қол урса, онда оның әдил ислери еске алынбайды, қайтама, ол ислеген жаўызлығы ушын өледи.
14. Ал наҳақ адамға сөзсиз өлетуғынын айтсам, ол гүналарынан жүз бурып, туўрылық ҳәм әдилликти жүзеге асырса,
15. қарызы ушын гиреўге алған затын да, урлаған затын да қайтарып берсе, өмирге еристиретуғын қағыйдаларды орынласа ҳәм қайтып зулымлық қылмаса, ол сөзсиз жасайды, өлмейди.
16. Ол ислеген гүналардың ҳеш бири еске алынбайды. Бул адам туўры ҳәм әдил ислер қылғаны ушын, сөзсиз жасайды».
17. Сениң халқың: «Ийениң жолы натуўры», – дейди. Бирақ өзлериниң жолы натуўры.
18. Егер ҳақ адам ҳақлығынан қайтып, жаўызлыққа қол урса, буның ушын өледи.
19. Егер наҳақ адам наҳақлығын таслап, әдил ҳәм туўры ислерди ислей басласа, ол усылай ислеп, жанын сақлап қалады.
20. Сизлер болсаңыз: «Ийениң жолы натуўры», – дейсиз. Израил халқы, Мен сизлердиң ҳәр бириңизди исиңизге жараса ҳүким қыламан.
21. Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының оныншы айының бесинши күни Ерусалимнен қашып қутылған бир адам маған келип: «Қала басып алынды», – деди.
22. Сол қашқын келмесинен бир күн бурын кеште Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды. Қашқын азанда алдыма келмей турып, Ол маған сөйлеў қәбилетин қайтарып берди. Мен және тилге кирдим.
23. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24. – Инсан улы, Израил жериниң ўайран болған жерлеринде жасап жүрген адамлар: «Ибрайым жалғыз өзи болса да, бул жерге ийелик қылған еди. Ал бизлер көппиз, сонлықтан бул жердиң бизлерге ийеликке берилгенин анық билемиз», – деп айтпақта.
25. Сонлықтан оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер гөшти қаны менен жейсиз, бутларға табынасыз, қан төгесиз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?
26. Сизлер қылышыңызға исенесиз, жеркенишли ислерди қыласыз, ҳәр бириңиз басқа адамның ҳаялын ҳарамлайсыз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?»
27. Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тирилигим ҳақы ант ишемен: ўайран болған жерде жасап атырғанлар қылыштан набыт болады. Ашық далада болғанларды Мен жабайы ҳайўанларға жем қыламан. Бекинисли жерлерде ҳәм үңгирлерде болғанлар иллеттен өледи.
28. Бул жерди кимсесиз шөлистанға айландыраман. Оның мақтанышлы қүдирети паянына жетеди. Израил таўларында да адам қалмайды, ол жерге ҳеш ким аяқ баспайды.
29. Ислеген жеркенишли ислери ушын жерди кимсесиз шөлистанға айландырғанымда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
30. Инсан улы, жерлеслериң дийўаллар қасында ҳәм үйлериниң босағасында турып, сен туўралы бир-бирине: «Жүриң, Жаратқан Ийеден қандай сөз келген екен, еситейик», – деп атыр.
31. Олар топарласып келеди. Мениң халқым сениң алдыңда отырады, сөзлериңди тыңлайды, бирақ оларды орынламайды. Олар тиллеринде жағымпазланғаны менен, жүреклеринде өз пайдасын гөзлейди.
32. Сен олар ушын, жақсы сазенде ҳәм муҳаббат ҳаққында қосық айтатуғын хош ҳаўаз қосықшысаң. Олар сөзлериңди еситеди, бирақ оларды орынламайды.
33. Булар жүзеге асқанда, мине, жүзеге асып та атыр, олар өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билип алады.
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Израил шопанларына пайғамбаршылық қыл. Пайғамбаршылық қылып, оларға, яғный шопанларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сүриўди бағыўдың орнына өзлерин бағып жүрген Израил шопанлары, ҳәсирет шегесиз!
3. Сизлер май жейсиз, жүннен кийим кийесиз, семиз қойларды соясыз, бирақ сүриўди бақпайсыз.
4. Ҳәлсизге күш бермедиңиз, кеселди шыпаламадыңыз, сүйеги сынғанның сынығын таңбадыңыз. Адасқанды қайтып алып келмедиңиз, жойтылғанды излемедиңиз. Қайтама, оларды күш пенен, реҳимсиз басқардыңыз.
5. Олар шопансыз ҳәр жаққа тарады ҳәм тарқап жүрип, жабайы ҳайўанларға жем болды.
6. Қойларым таўларда ҳәм бийик төбелерде гезди. Олар барлық жерге жайылды, оларды ҳеш ким излемеди, табыўға урынбады.
7. Сонлықтан, шопанлар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
8. Тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – шопанның жоқлығы себепли қойларым таланды ҳәм жыртқыш ҳайўанларға жем болды. Шопанларым қойларымды излемеди, қойларымды бақпай, өзлерин бақты.
9. Сонлықтан, шопанлар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
10. Қудай Ийе былай дейди: Мен шопанларға қарсыман! Мен олардан есап талап етемен ҳәм ендигиден былай, оларға қойларымды бақтырмайман. Артық өзлерин де бақпайды. Енди оларға жем болмаўы ушын, аўызларынан қойларымды тартып аламан.
11. Қудай Ийе былай дейди: Мен Өзим қойларымды излеймен ҳәм оларға қарайман.
12. Тарқалып кеткен қойлардың арасында шопан сүриўине қалай қарайтуғын болса, Мен де оларға солай қарайман. Булт түнерген бултлы күни тарқалып кеткен қойларымды ҳәмме жерден қутқарып аламан.
13. Оларды халықлардың арасынан шығарып, еллерден жыйнап аламан. Ата журтына алып келип, Израил таўларында, сайларында ҳәм елдиң адам мәкан басқан жерлериниң ҳәммесинде бағаман.
14. Мен оларды жасыл жайлаўларда бағаман, Израилдың бәлент таўлары олардың өриси болады. Олар сол жерлердеги майсазарларда жатып, Израилдың таўларындағы мол шөпли жайлаўларда отлайды.
15. Қойларыма Мен Өзим шопан боламан, оларға дем берип, тынышландыраман, – дейди Қудай Ийе.
16. – Жойтылғанын излеймен, адасқанын қайтып алып келемен, сүйеги сынғанның сынығын таңаман, аўырғанына мәдет беремен, ал семиз ҳәм күшлисин болса, жоқ қыламан. Оларды әдалатлық пенен бағаман.
17. Сизлерге келсек, қойларым, – дейди Қудай Ийе, – қой менен қой, қошқар менен теке арасында қазылық қыламан.
18. Жасыл жайлаўда отлағаныңыз аз болғандай, жегениңизден қалғанын басқылап атырсыз! Таза суўдан ишкениңиз жеткиликли еместей, ишкениңизден қалғанын аяғыңыз бенен ылайтып атырсыз!
19. Мениң қойларым сизлердиң басқылап таслаған шөплериңизди жеп, аяқларыңыз бенен ылайтып таслаған суўларыңызды ишиўи керек пе?
20. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Семиз қой менен арық қой арасында Мен Өзим қазылық қыламан.
21. Ҳәлсиз қойларды қуўып шығармағанша, сизлер оларды жамбасыңыз ҳәм ийниңиз бенен ийтерип, шақыңыз бенен дүктиңиз.
22. Мен қойларымды қутқараман, олар енди таланбайды. Және де, қой менен қойдың арасында қазылық қыламан.
23. Олардың үстинен бағатуғын бир шопанды, қулым Даўытты қояман. Даўыт оларды бағады ҳәм олардың шопаны болады.
24. Мен, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы, ал қулым Даўыт олардың ҳүкимдары болады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
25. Мен олар менен тынышлық келисимин дүзип, елдеги барлық жыртқыш ҳайўанларды қуўып шығараман. Сонда қойларым жабайы тәбият қойнында қәўипсиз жасап, тоғайларда уйықлайды.
26. Мен оларды жарылқайман ҳәм таўымның әтирапында жасатаман. Өз ўақтында жаўын жаўдыраман, бул жаўынлар берекетли жаўынлар болады.
27. Ағашлар өз мийўесин, жер өз өнимин береди. Халық өз жеринде қәўипсиз жасайды. Мойынтырықларын сындырып, оларды қул қылғанлардың қолларынан, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
28. Буннан былай, олар миллетлерге таланбайды ҳәм жыртқыш ҳайўанлар оларды жемейди. Олар қәўипсиз жасайды, ҳеш ким оларды қорқытпайды.
29. Мен оларға өнимдар жерлерди беремен, олар енди елде ашлықтан қырылмайды, халықлардың табасына да ушырамайды.
30. Сонда олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди, өзлери менен бирге екенимди ҳәм Израил халқы Мениң халқым екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе.
31. – Сизлер Мениң қойларым, жайлаўдағы қойларымсыз. Сизлер адамсызлар, Мен болсам, сизлердиң Қудайыңызбан, – дейди Қудай Ийе».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, жүзиңди таўлы Сеир жери қаратып, оған қарсы пайғамбаршылық қылып,
3. оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, таўлы Сеир жери, Мен саған қарсыман. Қолымды көтерип, сени кимсесиз ўайранагершиликке айландыраман.
4. Қалаларыңды қарабақанаға айландырып, адамсыз қалдыраман. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
5. Әзелден душпаншылығың болғанлықтан, Израил апатқа ушырап, соңғы жазасын тартып атырғанда, оларды қылыштың еркине тапсырдың.
6. Сол қылғанларың ушын, тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – сени қанға былғайман, қан изиңнен қалмайды. Қан төгиўден тиксинбегениң ушын, қан да сениң изиңнен қалмайды.
7. Таўлы Сеир жери, сени адамсыз шөлге айландыраман. Саған келип-кетиўшилерди жоқ қыламан.
8. Өзиңди өли денеге толтыраман. Төбешиклериңде, ойпатлықларыңда ҳәм барлық сайларыңда қылыштан қаза тапқанлар қулап жатады.
9. Сени мәңгиге қаңыратып, бос қалдыраман. Қалаларыңда адам жасамайтуғын болады. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
10. Мен, Жаратқан Ийе сол жерде болғаныма қарамастан, сен: „Бул еки халық ҳәм олардың жерлери бизики болады, оларды ийелеп аламыз“, – дегениң ушын,
11. тирилигим ҳақы айтаман, – дейди Қудай Ийе, – халқымды жек көрип, ашыў ҳәм қызғаншақлық пенен оларға не қылған болсаң, Мен де саған соны ислеймен. Саған қазылық қылғанымда, оларға Өзимди аян етемен.
12. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң. Мен сениң Израил таўларына: „Қаңырап бос қалды, олар бизге жем қылып берилди!“ – деп масқаралап айтқан барлық сөзлериңди еситтим.
13. Сен көз алдымда мақтанып, Маған қарсы гәпти көбейттиң. Мен буларды еситтим.
14. Қудай Ийе былай дейди: Пүткил жер бети қуўанышқа бөленип атырғанда, мен сени қаңыратып, қуў далаға айландыраман.
15. Израил халқының мийрас жери босап қалғанда қалай қуўанған болсаң, сол исти сениң де басыңа саламан. Таўлы Сеир жери ҳәм пүткил Эдом биргеликте қуў далаға айланасыз. Сонда ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. – Инсан улы, Израил таўларына пайғамбаршылық қылып, оларға айт: «Израил таўлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
2. Қудай Ийе былай дейди: Душпан сизлер туўралы: „Ҳай-ҳай, әййемги бийикликлер енди бизлердики болды!“ – деп айтқан еди».
3. Сонлықтан пайғамбаршылық етип, мына сөзлерди айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәр тәрептен талап, ўайран қылғаны себепли, сизлер аман қалған миллетлердиң мүлкине айландыңыз, олардың табасына ҳәм өсегине қалдыңыз.
4. Ҳәй, Израил таўлары, Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе таўларға ҳәм төбелерге, сайлар менен ойпатлықларға, дөгеректеги аман қалған миллетлерге олжа болып, табаға қалған елсиз қарабақаналарға ҳәм адамсыз қалған қалаларға сөйлемекте.
5. Қудай Ийе былай дейди: Аман қалған миллетлерге, әсиресе, Эдомға қарсы лаўлаған ғәзебим менен сөйлеймен. Олар жайлаўларды талан-тараж қылыў ушын, жүреги шадланып, жек көриўшилик пенен жеримди өзлерине мүлик қылып алды».
6. – Сонлықтан Израил жери туўралы пайғамбаршылық етип, таўларға ҳәм төбелерге, сайлар менен ойпатлықларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер халықлардың мазақлаўларынан азап шеккениңиз ушын, Мен қызғанышым ҳәм ғәзебим менен сөйлеймен.
7. Енди болса Қудай Ийе былай дейди: Мен ант ишип айтаман: әтирапыңыздағы халықлардың өзлери масқараланып, азап шегеди.
8. Ал сизлер болсаңыз, Израил таўлары, шақаларыңызды жайып, халқым Израил ушын мийўе бересиз, себеби олар жақында елине қайтып келеди.
9. Мине, Мен сизлерге қайырылып қарап, нәзер саламан, сизлер сүрилип, егилесиз.
10. Сизлердиң турғынларыңызды, пүткил Израил халқын, олардың ҳәммесин көбейтемен. Қалалар адамға толады, қарабақаналар абат қылынады.
11. Адамлардың ҳәм маллардың санын көбейтемен, олар өнип-өсип көбейеди. Мен сизлерге бурынғыдай адамларды қоныс бастыраман ҳәм бурынғыдан да көбирек жақсылық қыламан. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
12. Халқым Израилды үстиңизге алып келемен, олар сизлерди ийелейди, сизлер олардың мүлки боласыз. Қайтып оларды балаларынан маҳрум етпейсиз.
13. Қудай Ийе былай дейди: Израил таўлары, сизлер туўралы: „Адамларды жалмайтуғын, халқын перзентинен маҳрум қылатуғын“, – дейди.
14. Сонлықтан, енди адамларды жалмамайсыз, буннан былай, халқыңның сүрнигиўине себеп болмайсыз, – дейди Қудай Ийе.
15. – Артық миллетлердиң үстиңнен күлгенин еситпейтуғын боласыз, халықлардың табалаўын көтерип жүрмейсиз, халқыңды перзентлеринен жуда етпейсиз, – дейди Қудай Ийе».
16. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
17. – Инсан улы, Израил халқы өз жеринде жасап атырғанда, тутқан жолы ҳәм ислеген иси менен ол жерди ҳарамлады. Олардың жолы Мениң нәзеримде етеги келген ҳаялдың ҳарамлығына уқсайды.
18. Қан төккени ҳәм өзлериниң бутлары менен жерди ҳарамлағаны ушын, оларға ғәзебимди төктим.
19. Мен оларды халықлар арасына тарқатып, жер бойлап шашып жибердим. Оларды тутқан жоллары ҳәм ислеген ислери ушын жазаладым.
20. Олар қайсы халық арасына барса да, сол жердеги адамлар: «Олар Жаратқан Ийениң халқы, бирақ Оның жеринен шығып кетиўге мәжбүр болыпты», – дейтуғын болды. Усылай етип, халқым Мениң мухаддес атыма тил тийиўине жол қоя берди.
21. Олар өзлери барған халықлар арасында тил тийгизген мухаддес атым ушын жаным ашыды.
22. Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Израил халқы, Мен буларды сизлер ушын емес, ал сизлер барған жерлериңизде тил тийгизген Өзимниң мухаддес атым ушын ислеймен.
23. Миллетлердиң арасында тил тийгизилген, олардың арасында сизлер тил тийгизген уллы атымның мухаддеслигин көрсетемен. Мен олардың көз алдында сизлер арқалы Өз мухаддеслигимди аян қылғанымда, халықлар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады, – дейди Қудай Ийе.
24. – Сизлерди миллетлердиң арасынан, ҳәмме еллерден жыйнап алып, өз жериңизге алып келемен.
25. Кейин үстиңизге таза суў себемен, сизлер таза боласыз. Сизлерди барлық напәклигиңизден ҳәм барлық бутларыңыздан тазалайман.
26. Сизлерге жаңа жүрек ҳәм жаңа руўх беремен. Денеңизден тас жүректи алып таслап, жумсақ жүрек беремен.
27. Ишиңизге Өз Руўхымды саламан, сизлер Мениң қағыйдаларыма сай жасайсыз, буйрықларыма әмел қылып, оларды орынлайсыз.
28. Сонда ата-бабаларыңызға берген жеримде жасайсыз. Сизлер Мениң халқым, Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан.
29. Мен сизлерди барлық напәкликтен сақлайман. Ғәллеге өсип, мол өним бериўди буйыраман, артық ашлыққа дуўшар қылмайман.
30. Енди ашлық себепли халықларға масқара болмаўыңыз ушын, мийўе жемислерин ҳәм атызлардағы өнимди мол қыламан.
31. Сонда жаўыз жолыңызды ҳәм жаман ислериңизди есиңизге алып, қылмысларыңыз ҳәм жеркенишли ислериңиз себепли өзиңизден жеркенесиз.
32. Буны сизлер ушын ислеп атырғаным жоқ, – дейди Қудай Ийе, – мынаны билип қойың: Израил халқы, тутқан жолларыңыз ушын қызарып, уялың.
33. Қудай Ийе былай дейди: Сизлерди барлық қылмысларыңыздан тазалаған күним қалаларға орналастыраман, қарабақаналарды абат қыламан.
34. Олай-булай өткенлердиң көз алдында ўайран болып жатырған шөлге ислеў бериледи.
35. Сонда олар: „Мына шөлге айланған жер Эден бағындай болыпты. Мына ўайран болып, адамсыз қарабақанаға айланған қалаға дийўал салынып, адамлар мәкан басыпты“, – дейди.
36. Сонда әтирапыңызда қалған халықлар бузылғанды тиклейтуғын, шөлди егинзарға айландыратуғын – бул Жаратқан Ийе екенин биледи. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман.
37. Қудай Ийе былай дейди: Мен халқым Израилдың жалбарыныўларына қулақ салып, олар ушын мынаны ислеймен: адамларды қой сүриўиндей көп қыламан.
38. Белгиленген байрамларда Ерусалимде қурбанлық қылынатуғын қойлар қанша көп болса, босап қалған қалалар да адамларға соншелли толы болады. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди. Ол мени Өз Руўхы менен алып кетип, ойпатлықтың ортасына апарып қойды. Ол жер сүйеклерге толып атырған еди.
2. Ол мени олардың арасы менен жетеледи, мен ойпатлықта жатырған сансыз сүйеклерди көрдим. Сүйеклер жүдә кеўип қалған еди.
3. Ол меннен: – Инсан улы, мына сүйеклер тириле ала ма? – деп сорады. Мен Оған: – Қудай Ийе, буны тек Сен билесең, – деп жуўап бердим.
4. Кейин Ол маған былай деди: – Пайғамбаршылық етип, мына сүйеклерге былай деп айт: «Кеўип қалған сүйеклер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
5. Қудай Ийе бул сүйеклерге былай демекте: Мен сизлерге нәпес беремен, сизлер тирилесиз.
6. Үстиңизге сиңирлер питирип, ет өсиремен ҳәм тери менен қаплайман. Ишиңизге дем саламан, сизлер тирилесиз ҳәм Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
7. Мен өзиме тапсырылғандай, пайғамбаршылық еттим. Пайғамбаршылық етип атырғанымда, тасырлаған шаўқым еситилди, сүйеклер бир-бири менен бирлесе баслады.
8. Мен оларда сиңирдиң ҳәм еттиң қалай пайда болғанын, оларды тери қаплағанын көрдим. Бирақ денесинде еле жан жоқ еди.
9. Сонда Ол маған былай деди: – Руўхқа пайғамбаршылық қыл. Инсан улы, пайғамбаршылық қылып, оған былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй дем, төрт тәрептен самал болып, мына өлтирилгенлердиң үстине ес, олар тирилсин».
10. Мен Ол тапсырғандай, пайғамбаршылық қылдым. Руўх оларға кирип, олар тирилди, аяққа турды. Олар жүдә уллы аламанға айланды.
11. Сонда Ол маған былай деди: – Инсан улы, мына сүйеклер – пүткил Израил халқы. Олар: «Сүйегимиз қуўрап қалды, үмитимиз үзилди, бизлер тамырдан үзилип тасланғанбыз», – дейди.
12. Сонлықтан пайғамбаршылық етип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Халқым, Мен қәбирлериңизди ашып, сизлерди гөрден шығараман ҳәм Израил жерине алып келемен.
13. Қәбирлериңизди ашып, о, халқым, сизлерди гөрден шығарғанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
14. Сизлерге руўхымды саламан, сизлер тирилесиз. Мен сизлерди өз жериңизге орналастыраман. Сонда буны Мениң, Жаратқан Ийениң айтқанын ҳәм жүзеге асырғанын билесиз, – дейди Жаратқан Ийе».
15. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
16. – Инсан улы, сен бир таяқ алып, оған: «Яҳуда ҳәм оның менен бирлескен израиллылар ушын» деп жаз. Кейин басқа таяқ алып, оған: «Юсуп ҳәм оның менен бирлескен Израил халқы ушын Эфрайымның таяғы» деп жаз.
17. Еки таяқты бир-бирине қосып усла, олар қолыңда бир таяқтай болып көринсин.
18. Халқың: «Қолыңдағы не, түсиндирип бересең бе?» – деп сораса,
19. оларға былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Эфрайымның қолындағы таяғын, яғный Юсуп пенен бирлескен Израил урыўларының таяғын алып, Яҳуданың таяғына қосаман. Оларды бир таяқ қылып, Өз қолымда услайман».
20. Сен жазыў жазған еки таяқ олардың көз алдында сениң қолыңда турғанда,
21. оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен Израил халқын ҳәмме жақтан, өзлери барған халықлардың арасынан жыйнап алып, өзлериниң жерине алып келемен.
22. Оларды бул жерде, Израил таўларында бир халық қыламан ҳәм олардың ҳәммесин бир патша басқаратуғын болады. Олар артық еки халық болмайды ҳәм еки патшалыққа бөлинбейди.
23. Енди бутлар менен, жеркенишли затлар менен ҳәм ҳәр қыйлы надурыс нәрселер менен өзлерин ҳарамламайды. Гүнаға батып жасаған мәнзиллеринен оларды азат етип, тазалайман. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан.
24. Қулым Даўыт оларға патша болады ҳәм ҳәммесиниң шопаны болады. Олар Мениң буйрықларым менен жасайды, қағыйдаларыма әмел қылып, оларды орынлайды.
25. Олар Мен қулым Яқыпқа берген жерде, ата-бабалары жасаған жерде жасайды. Сол жерге олардың өзлери, балалары ҳәм балаларының балалары мәңгиге мәкан басады. Қулым Даўыт мәңгиге олардың ҳүкимдары болады.
26. Мен олар менен тынышлық келисимин дүземен, бул келисим мәңгиге даўам етеди. Оларды аяққа турғызаман, көбейтемен ҳәм Өзимниң Мухаддесханамды олардың ортасына мәңгиге орнатаман.
27. Олардың арасында мәкан басаман. Мен олардың Қудайы, олар Мениң халқым болады.
28. Мухаддесханам мәңгиге олардың арасында жайласқанда, халықлар Израилды мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенин билип алады».
1. Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2. – Инсан улы, Магог жериндеги Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гогқа жүзиңди қаратып, оған пайғамбаршылық қыл:
3. «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман!
4. Мен сени басқа тәрепке бурып жиберип, жақларыңа қармақ саламан. Сени ҳәм пүткил ордаңды, атларыңды, атлыларыңды, безенип кийинип алып, үлкен ҳәм киши қалқан услаған үлкен топарыңды, қылыш пенен қуралланғанлардың ҳәммесин сүйреп шығараман.
5. Қалқан услап, дуўлыға кийген Персия, Хабашстан ҳәм Пут халықлары,
6. Гомердиң барлық әскерлери, арқадағы алыс журт Тогарма халқының пүткил ләшкерлери, сондай-ақ, көплеген халықлар сениң менен бирге болады.
7. Таяр тур! Жаныңа жыйналған пүткил аламан менен бирге таяр тур. Сен оларға жетекши боласаң.
8. Көп ўақыттан кейин, сен атланысқа шақырыласаң. Соңғы жылларда сен урыстан өзин тиклеп алған бир жерге ҳүжим қыласаң. Бул жердиң халқы көп миллетлерден шығып, узақ ўақыттан бери адамсыз қалған Израил таўларына жыйналған. Оның турғынлары миллетлер арасынан алып келинип, ҳәзир қәўипсиз жасап атыр.
9. Сен даўылдай көтерилесең. Сениң өзиң, ләшкерлериң ҳәм сениң менен болған көп халық елди қаплап алыў ушын, булттай болып келесиз.
10. Қудай Ийе былай дейди: Сол күни сен жаман қыялларға берилип, жаўыз жобалар дүзесең.
11. Сен былай дейсең: „Қорғансыз жерлерге бастырып барып, бийғам, тыныш жасап атырған халыққа ҳүжим қыламан. Олардың дийўалы да, тәмбиленетуғын қапысы да жоқ.
12. Бурын қаңырап бос жатқан, ҳәзир адам мәкан басқан қалаларда жасап атырған халықты талап, олжалайман. Шарўашылық ҳәм саўда менен шуғылланатуғын, миллетлердиң арасынан жыйналып, дүньяның орайында жасайтуғын бул халыққа қол саламан“.
13. Шеба, Дедан, Таршиш саўдагерлери ҳәм оның барлық жолбасшылары сеннен: „Сен талаў ушын келдиң бе? Талан-тараж қылыў, гүмис ҳәм алтын алып кетиў, мал ҳәм байлықты тартып алыў, мол олжалы болыў ушын ләшкер тартып келдиң бе?“ – деп сорайды».
14. Сонлықтан инсан улы, пайғамбаршылық қылып, Гогқа айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сол күни халқым Израилдың қәўипсизликте жасап атырғанына сениң көзиң жетеди.
15. Сонда арқадағы алыс журтыңнан көп халықларды: атлыларды, уллы жыйынды ҳәм сансыз ләшкерлерди ертип келесең.
16. Сен жер жүзин қаплаған булт киби, халқым Израилға ҳүжим жасайсаң. Келешекте, ҳәй Гог, Мен сени Өз жериме жиберемен. Миллетлердиң көз алдында, сен арқалы мухаддеслигимди аян етип, миллетлерге Өзимди танытаман.
17. Қудай Ийе былай дейди: Әййемги дәўирлерде қулларым Израил пайғамбарлары арқалы айтқан адамым сен емессең бе? Сол ўақытлары олар Мениң сени израиллыларға қарсы жиберетуғыным туўралы жыллар бойы пайғамбаршылық етти.
18. Гогтың Израил жерине ҳүжим ететуғын күни, – дейди Қудай Ийе, – қәҳәрленип, ғәзебим лаўлайды.
19. Қызғаншақлығым менен ғәзеп отында жанып, сол күни Израил жеринде уллы жер силкиниў жүз беретуғынын жәриялайман.
20. Теңиздеги балықлар, көктеги қуслар, жабайы ҳайўанлар, барлық жер баўырлаўшылар, жер бетиндеги барлық адамлар Мениң алдымда титирейди. Таўлар астан-кестен болады, тик жарлар қулайды ҳәм барлық дийўаллар жер менен жексен болады.
21. Пүткил таўларымда Гогқа қарсы қылыш шақыраман, – дейди Қудай Ийе. – Ҳәр бир адамның қылышы өз туўысқанына қарсы болады.
22. Гогты иллет ҳәм қан төгиў менен жазалайман. Оның ҳәм ләшкерлериниң үстине, жанындағы көп халықлардың үстине ғарқ етиўши жаўын, таслы буршақ, от ҳәм күкирт жаўдыраман.
23. Солай етип, Мен уллылығымды ҳәм мухаддеслигимди көрсетемен ҳәм көп миллетлердиң көз алдында Өзимди аян етемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
1. – Инсан улы, сен Гогқа қарсы пайғамбаршылық қылып, оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешехтиң ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман!
2. Сени басқа тәрепке бурып жиберемен, узақ арқадан алып шығып, Израил таўларына алып келемен.
3. Шеп қолыңдағы садағыңды ҳәм оң қолыңдағы оғыңды урып түсиремен.
4. Сен пүткил ләшкерлериң ҳәм жаныңдағы халықлар менен бирге Израил таўларында қулайсаң. Сени ҳәр түрли жыртқыш қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жем қыламан.
5. Сен ашық майданда өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
6. – Мен Магог жерине ҳәм атаўларда қәўипсиз жасап атырғанларға от жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
7. Мен Өзимниң мухаддес атымды халқым Израилға аян етемен. Буннан былай, мухаддес атыма тил тийгизиўине жол қоймайман. Сонда халықлар Израилдың Мухаддеси, Жаратқан Ийе Мен екенимди билип алады.
8. Мине, бул күн келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе, – яғный сол Мен айтқан күн.
9. Израил қалаларының турғынлары сыртқа шығып, қуралжарақларды, үлкен ҳәм кишкене қалқанларды, оқ жай ҳәм оның оқларын, таяқ ҳәм найзаларды отқа жағады. Олар жети жыл отын болады.
10. Даладан отын тасыўға, тоғайдан отын шабыўға ҳәжет қалмай, қурал-жарақларды отын қылады. Израил халқы өзлерин тонағанларды тонайды, өзлеринен тартып алғанлардан тартып алады, – дейди Қудай Ийе.
11. – Сол күни Мен Израилдан, теңиздиң шығысындағы Жолаўшылар ойпатлығынан Гогқа қәбирстан ушын орын беремен. Ол өткен-кеткенлердиң жолын тосады. Ол жерге Гог пенен оның пүткил ләшкерлери жерленеди ҳәм ол жер „Гогтың сансыз ләшкерлериниң ойпатлығы“ деп аталады.
12. Елди тазалаў ушын, Израил халқы оларды жети ай бойы жерлейди.
13. Елдеги пүткил халық оларды жерлеўге қатнасады. Мен Өзимди даңққа еристирген күним, Израил халқы абырайға ийе болады, – дейди Қудай Ийе.
14. Усы жети ай өткенде, ҳәр күни елди гезип жүретуғын адамлар белгиленеди. Олар менен бирге елди тазалаў ушын көмиўсиз қалған өлилерди көметуғын адамлар да белгиленеди.
15. Елди гезип жүргенлер адам сүйегин көрип қалса, оның қасына белги қойып кетеди. Жерлеўшилер оны алып, Гогтың ләшкерлериниң ойпатлығына жерлейди.
16. Сол жерде Ҳамона деген қала да болады. Олар усылайынша елди тазалайды».
17. Инсан улы, сен болсаң, – дейди Қудай Ийе, – ҳәр түрли қусларға ҳәм барлық жабайы ҳайўанларға былай деп айт: «Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығыма, Израил таўларындағы уллы қурбанлыққа жән-жақтан жыйналып келиңлер. Ол жерде гөш жеп, қан ишесиз.
18. Башан үлкесинде семиртилип бағылған қошқарлардың, тоқлылардың, текелердиң, буғалардың гөши ҳәм қаны сыяқлы, күшли адамлардың ҳәм дүнья ҳүкимдарларының гөшин жеп, қанын ишесиз.
19. Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығымнан тойғанша гөштиң майын жеп, мәс болғанша қан ишесиз.
20. Мениң дастурханымнан атларға, атлыларға, күшли жаўынгерлерге ҳәм ҳәр қыйлы әскерлерге тоясыз, – дейди Қудай Ийе.
21. Мен миллетлер арасында уллылығымды аян етемен. Барлық халықлар Мениң шығарған ҳүкимимди ҳәм оларды қүдиретли қолым менен жазалағанымды көреди.
22. Сол күннен баслап, Израил халқы Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
23. Басқа халықлар Израил халқының Маған қыянет қылғаны себепли, өз жазығы ушын сүргин етип алып кетилгенин биледи. Мен олардан жүзимди жасырдым, оларды душпанлардың қолына бердим ҳәм ҳәммеси қылыштан қаза тапты.
24. Оларға өз напәклигине ҳәм нызамсызлығына жараса ис туттым ҳәм жүзимди олардан жасырдым.
25. Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Енди Мен Яқыпты бурынғы абаданшылығына еристиремен, пүткил Израил халқына реҳим қыламан ҳәм мухаддес атым ҳүрмети қызғанаман.
26. Оларға ҳеш ким қәўип туўдырмай, өз еллеринде қорқынышсыз жасап атырғанында, олар Маған қылған қыянетлери ушын уялады.
27. Оларды халықлар арасынан қайтарып, душпан жерлеринен жыйнап алғанымда, көп миллетлердиң көзиниң алдында олар арқалы Өз мухаддеслигимди аян етемен.
28. Мен оларды халықлар арасына тарқатып жиберген болсам да, кейин ол жерде олардың бирде биреўин қалдырмай өз жерине жыйнағанымда, олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
29. Мен Израил халқының үстине Руўхымды төгемен, енди ҳеш қашан жүзимди олардан жасырмайман, – дейди Қудай Ийе».
1. Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма бесинши жылының биринши айының оныншы күни Ерусалимниң басып алынғанына он төрт жыл болған еди. Сол күни Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болып, Жаратқан Ийе мени сол жерге алып барды.
2. Аянда Қудай мени Израил елине алып барып, бәлент бир таўдың үстине турғызып қойды. Ол жердиң қубла тәрепинде имаратлар болып, қалаға уқсап турған еди.
3. Мени сол жерге алып барды. Қарасам, дәрўаза алдында бир адам тур. Оның көриниси жылтыраған қоладай болып, қолында зығыр жип ҳәм өлшейтуғын таяқ бар еди.
4. Сол адам маған былай деди: – Инсан улы, көзлериң менен көр, қулақларың менен есит, көрсеткен нәрселеримниң ҳәммесине дыққат қой. Мениң саған көрсетиўим ушын сен бул жерге алып келиндиң. Көргенлериңниң ҳәммесин Израил халқына жеткер.
5. Қарасам, Ибадатхананың сырты айлана дийўал менен қоршалған екен. Сол адамның қолындағы өлшейтуғын таяқтың узынлығы алты шығанақ болып, ҳәр бир шығанақтың узынлығы әдеттеги өлшемнен төрт елиге артық еди. Ол дийўалды өлшеди, дийўалдың қалыңлығы да, бийиклиги де бир өлшеў таяғына тең болды.
6. Кейин ол шығысқа қарап турған дәрўазаға барып, текшелерден көтерилип, дәрўаза босағасын өлшеди. Босаға табалдырығының ени бир таяққа тең болып, бул биринши босаға еди.
7. Дәрўаза имаратының ишинде сақшылардың бөлмелери бар еди. Олардың узынлығы да, ени де бир таяққа тең болып, усы бөлмелерди ажыратып турған дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ еди. Дәлиз жолының ақырында Ибадатхана ҳәўлисине қараған айўан болып, усы айўанға шығатуғын табалдырықтың ени бир таяққа тең болды.
8. Соң ол айўанды иштен өлшеди, оның дәлизден тысқары узынлығы бир қамыс шықты.
9. Кейин ол айўанды сырттан өлшеди, оның узынлығы сегиз қамыс шықты. Айўан есигиниң еки қапталындағы сүтинге уқсаған шығыңқы дийўаллардың ҳәр қайсысының қалыңлығы еки шығанақтан еди. Бул айўан дәрўаза имаратының ишинде болып, Ибадатханаға қарап турған еди.
10. Шығыс дәрўаза имаратының ишиниң еки қапталында да үш-үштен бөлмелер болып, олардың ҳәммесиниң өлшеми де, олардың арасындағы дийўаллар да бирдей қалыңлықта еди.
11. Ол дәрўазаның кирер аўзын өлшеди, ол он шығанақ, ал дәлиздиң ени он үш шығанақ шықты.
12. Сақшылардың бөлмелериниң ҳәр қайсысының алдында ени бир шығанақтан болған пәскелтек пақса бар еди. Сақшылардың бөлмелериниң ени де, узынлығы да алты шығанақ еди.
13. Кейин дәрўаза имаратының төбесиниң енин, бир бөлмениң шетки дийўалынан қарама-қарсы турған бөлмениң шетки дийўалына шекемги аралықты өлшеди. Төбениң ени жигирма бес шығанақ шықты.
14. Кейин ол дәрўаза имаратының ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўалларын өлшеди. Олардың бийиклиги алпыс шығанақ шықты.
15. Дәрўаза имаратының кирер аўыздан шығар аўызға шекемги узынлығы елиў шығанақ еди.
16. Дәрўаза имаратының ишиниң еки тәрепинде жайласқан сақшылардың бөлмелери менен олардың арасындағы дийўалларда, сондай-ақ айўанның ишиниң ҳәр бир тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Айўанның ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди.
17. Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге алып кирди. Ҳәўли әтирапында отыз бөлме ҳәм тас төселген жол бар еди.
18. Дәрўазалардың еки тәрепиндеги тас жолдың ени дәрўазалардың узынлығына тең еди. Бул тас жол ҳәўлидеги тас жолдан пәсирек еди.
19. Ол ҳәўлиниң енин, шығыстағы дәрўаза имаратының шығар аўзынан ишки ҳәўлиниң кирер аўзына шекемги аралықты өлшеди, ол жүз шығанақ шықты.
20. Ол сыртқы ҳәўлиниң арқаға қараған дәрўазасының узынлығы менен енин өлшеди.
21. Имараттың еки тәрепиндеги үш-үштен қурылған сақшылардың бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми биринши дәрўаза имаратының өлшемлери менен бирдей еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
22. Дийўаллардағы айна тәризли ойықлардың, айўанның ҳәм пальма ағашының сүўретлериниң өлшемлери шығыс дәрўазасындағы менен бирдей еди. Дәрўазаға жети басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Ал бастырма имараттың ишки тәрепинде еди.
23. Арқа дәрўазасының алдында да шығыс дәрўазасының алдындағыдай қарама-қарсы турған ишки ҳәўлиниң дәрўаза имараты бар еди. Бул адам ишки дәрўаза имаратынан сыртқы дәрўаза имаратына шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.
24. Ол мени қубла тәрепке алып барды. Ол жерде қублаға қараған дәрўаза имараты бар еди. Ол имараттың дийўалларын ҳәм айўанын өлшеди. Олардың өлшемлери басқалардики менен бирдей шықты.
25. Басқа дәрўаза имаратларында болғанындай, бул дәрўаза имаратының да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ болып шықты.
26. Оған жети басқалдақлы текше арқалы көтерилип, айўанға киретуғын еди. Имараттың ишки дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди.
27. Ишки ҳәўлиниң де қублаға қараған дәрўазасы бар еди. Ол қубладағы сыртқы дәрўазадан усы дәрўазаға шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.
28. Ол мени қубла дәрўаза арқалы Ибадатхананың ишки ҳәўлисине алып кирди де, қубладағы дәрўазаны өлшеди. Оның да өлшемлери басқалардики менен бирдей еди+
29. Сақшылардың бөлмелериниң, олар арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми де басқа имаратлардағылар менен бирдей болып шықты. Дәрўаза имаратының ҳәм оның айўанының ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
30. Ишки ҳәўлидеги дәрўаза имаратларының ҳәр бириниң айўанының узынлығы жигирма бес шығанақ, ени бес шығанақ еди.
31. Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның кирер аўзының еки қапталындағы шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
32. Ол шығыс дәрўазасының имараты арқалы мени ишки ҳәўлиге алып кирди ҳәм оны өлшеди. Ол да басқалардай болып шықты.
33. Сақшылар бөлмелери, олар арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшемлери басқалары менен бирдей еди. Имараттың да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
34. Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
35. Кейин ол мени арқа дәрўазаға алып келип, дәрўаза имаратын өлшеди. Оның өлшемлери басқа имаратлардың өлшемлери менен бирдей еди.
36. Сақшылар бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшеми басқалардики менен бирдей еди. Имараттың ишиниң ҳәмме тәрепинде айнала айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
37. Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
38. Ишки дәрўазаның айўанының қапталында, бөлек бир бөлмели жай бар еди. Жандырылатуғын қурбанлықлар усы жерде жуўылатуғын еди.
39. Жандырылатуғын қурбанлықты, гүна ҳәм айып қурбанлығын сойыў ушын дәрўаза айўанының ишинде, еки қапталда екеў-екеўден төрт стол турды.
40. Айўанның сыртында болса, еки тәрепте еки столдан төрт стол болып, олар арқа дәрўазаға киретуғын текшеден көринип турды.
41. Солай етип, дәрўазаның ишки ҳәм сыртқы тәреплеринде қурбанлықларды сойыўға арналған сегиз стол бар еди.
42. Жандырылатуғын қурбанлықлар ушын жонылған тастан қурылған және төрт стол бар еди. Ҳәр бир столдың узынлығы ҳәм ени бир ярым шығанақ, бийиклиги бир шығанақ еди. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сойыў ушын арналған қурал-жарақлар оның үстинде турды.
43. Айўанның дийўалларына ҳәр бири төрт ели болған илмеклер қағылған еди. Қурбанлық гөши болса столлар үстине қойылатуғын еди.
44. Ишки дәрўазаның сыртында, ишки ҳәўлиде еки бөлме бар еди. Булардың биреўи арқадағы дәрўазаның жанында болып, қублаға қараған, екиншиси шығыс дәрўазаның жанында болып, арқаға қараған еди.
45. Адам маған былай деди: – Қублаға қарап турған бөлме Ибадатханада хызмет етип атырған руўханийлерге арналған.
46. Ал арқаға қарап турған бөлме қурбанлық орында хызмет етип атырған руўханийлерге арналған. Булар Садоқтың урпақлары болып, оларға Лебий урыўы арасынан Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын, Оған жақынласыўға рухсат етилген еди.
47. Кейин ол ишки ҳәўлини өлшеди. Ол төрт мүйешли болып, узынлығы да, ени де жүз шығанақ шықты. Қурбанлық орын Ибадатхананың алдында еди.
48. Ол мени Ибадатхананың айўанына алып келип, оның босағасының еки тәрепиндеги сүтинге уқсаған шығыңқы дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ, ени үш шығанақ шықты.
49. Айўанның өзиниң узынлығы жигирма шығанақ, ени он еки шығанақ еди. Айўанға он басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Айўанның кирер аўзының еки тәрепинде еки сүтин бар еди.
1. Кейин ол мени Мухаддес бөлмениң қапысына алып барып, қапының еки тәрепиндеги дийўалларды өлшеди. Еки тәрептеги дийўалдың да қалыңлығы алты шығанақ еди.
2. Босағаның өзи он шығанақ, еки тәрепиндеги дийўаллар бес шығанақтан еди. Ол Мухаддес бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы қырық шығанақ, ени жигирма шығанақ шықты.
3. Кейин ол ишки бөлмеге кирип, оның босағасының жақлаў дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы еки шығанақтан, босағаның өзи алты шығанақ, ал еки тәрептен босағаға қосылған дийўаллардың узынлығы жети шығанақтан еди.
4. Ол ишки бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы да, ени де жигирма шығанақ еди. Ол маған: – Бул Ең мухаддес бөлме, – деди.
5. Ол Ибадатхана дийўалын өлшеди. Дийўалдың қалыңлығы алты шығанақ шықты. Ибадатхананың сыртқы дийўалына тақап, айландырып салынған бөлмелердиң ени төрт шығанақ еди.
6. Бул бөлмелер бириниң үстине бири үш қабат етип салынып, ҳәр қабатта отыз бөлмеден бар еди. Ибадатхана дийўаллары шығарылыңқырап текшедей етип өрилип, сол шығыңқыраған жери пәрдийўал хызметин атқарды. Солай етип, бөлмелерди бастырған ағашлар Ибадатхана дийўалына кирмей турды.
7. Ибадатхана дийўалының төменги бөлеги жоқарыдағы бөлегине қарағанда қалыңырақ болғаны ушын жоқарыдағы бөлмелер кеңирек еди. Төменги қабаттан екинши қабатқа, оннан үшинши қабатқа көтерилетуғын еди.
8. Мен Ибадатхана әтирапына салынған усы бөлмелердиң тырнағын көрдим. Оның бийиклиги бир таяқ, яғный алты шығанақ еди.
9. Бөлмелердиң сыртқы дийўалының қалыңлығы бес шығанақ еди. Ибадатхана айланасында айланып турған бөлмелер менен
10. руўханийлердиң бөлмелериниң арасындағы аралықтың ени жигирма шығанақ еди.
11. Бөлмелерди қубла ҳәм арқа тәрепинде ашық майданға қараған есиклери бар еди. Бөлмелер әтирапындағы сыртқа шығыңқырап турған тырнақтың ени бес шығанақ еди.
12. Ибадатхананың артындағы, яғный батыс тәрепиндеги ашық майданда ени жетпис шығанақ, узынлығы тоқсан шығанақ, дийўалының қалыңлығы бес шығанақ болған үлкен бир имарат бар еди.
13. Кейин ол Ибадатхананы өлшеди. Ибадатхананың узынлығы жүз шығанақ шықты. Ибадатхананың артындағы ашық майдан, арт беттеги имарат ҳәм оның дийўалы жүз шығанақ шықты.
14. Ибадатхананың алдынғы тәрепиндеги, яғный шығыс тәрепиндеги ашық майданның ени жүз шығанақ шықты.
15. Ол Ибадатхананың артындағы ашық майданға қарап турған имараттың узынлығын өлшеди. Имарат пенен оның еки қапталындағы дәлизлердиң узынлығы жүз шығанақ шықты.Ибадатхананың Мухаддес бөлмеси ҳәм оның айўаны,
16. босағалар, айна тәризли ойықлар ҳәм қосымша исленген ернеклер табалдырықтың алдынан ҳәм еденнен айна тәризли ойықларға шекем ағаш пенен қапланған еди. Айна тәризли ойықларға да ағаштан ислеў берип қапланған еди.
17. Ибадатхананың ишиндеги Мухаддес бөлме менен Ең мухаддес бөлмениң ҳәмме дийўаллары, қапылардың жоқарысы,
18. керублардың ҳәм пальма ағашының сүўретлери салынған тахталар менен қапланған еди. Ҳәр еки керубтың ортасында бир пальма ағашының сүўрети салынған болып, ҳәр бир керубтың еки бет-әлпети бар еди.
19. Пальма ағашына бир тәрептен керубтың адамның бет-әлпетине уқсаған жүзи, екинши тәрептен арысланға уқсаған жүзи қарап турған еди. Бундай сүўретлер Ибадатхананың ишки дийўалларын айландырып,
20. еденнен қапылардың үстилерине шекем исленген еди.
21. Мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары төрт мүйешли еди. Ең мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары да сондай еди.
22. Узынлығы ҳәм ени еки шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған ағаштан исленген бир қурбанлық орын бар еди. Оның мүйешлери, тийкары ҳәм қапталлары ағаштан исленген еди. Сол адам маған: – Бул Жаратқан Ийениң алдындағы стол, – деди.
23. Мухаддес бөлмениң де, Ең мухаддес бөлмениң де жарма қапысы бар еди.
24. Олардың ҳәр бир тәрепи еки тахтадан ибарат болып, жыйналмалы етип исленген еди.
25. Мухаддес бөлмениң қапыларына дийўаллардағыдай керублар менен пальма ағашының сүўретлери салынған еди. Айўанның алдына ағаш шертек қурылған еди.
26. Айўанның еки тәрепиндеги дийўалларда айна тәризли ойықлар ҳәм пальма ағашының сүўретлери бар еди. Ибадатхананың қосымша бөлмелеринде де шертеклер бар еди.
1. Адам мени арқадағы жол арқалы сыртқы ҳәўлиге алып шығып, руўханийлердиң бөлмелерине алып барды. Бул бөлмелер ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы жайдың арқа тәрепинде жайласқан еди.
2. Бөлмелердиң есиги арқаға қарап турған болып, имараттың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ еди.
3. Имараттың бир тәрепи ишки ҳәўлиниң ени жигирма шығанақ болған ашық жерине, екинши тәрепи сыртқы ҳәўлидеги тас төселген жолға қарап турған еди. Имарат үш қабат қылып қурылған болып, оның қаптал дәлизлери бар еди.
4. Имараттың алдында ени он шығанақ, узынлығы жүз шығанақ болған аяқ жол болып, сол жол арқалы имаратқа кириўге болатуғын еди. Бөлмелердиң қапылары арқаға қарай ашылатуғын еди.
5. Үшинши қабаттағы бөлмелер екинши қабаттағыға, екинши қабаттағы бөлмелер биринши қабаттағыға қарағанда тарлаў еди. Себеби үстинги қабаттағы бөлмелердиң дәлизлери көбирек орын алып турған еди.
6. Усы үш қабатлы имаратта ҳәўлилердегидей сүтинлер болмады. Сонлықтан жоқарғы қабаттағы бөлмелер төменги қабаттағы бөлмелерден тар еди.
7. Бөлмелер сыртқы ҳәўлиден дийўал арқалы ажыратылып турды. Дийўал бөлмелердиң алдында елиў шығанаққа созылып жатты.
8. Сыртқы ҳәўлидеги бөлмелердиң узынлығы елиў шығанақ, ал Ибадатхана тәрептеги бөлмелердиң узынлығы жүз шығанақ еди.
9. Сыртқы ҳәўлиден төменги бөлмелерге киретуғын аўыз шығыс тәрепте жайласқан еди.
10. Бул аўыз ҳәўлиниң дийўалы басланған жерде еди. Ибадатхананың қубла тәрепинде де руўханийлердиң бөлмелери бар еди. Олар ашық майданның ҳәм Ибадатхананың артындағы имараттың қубла тәрепинде жайласқан еди.
11. Бөлмелердиң алдында аяқ жол бар еди. Бул бөлмелердиң узынлығы да, ени де, барлық есиклери де, жайласыўы да арқа тәрептеги бөлмелер менен бирдей көринисте еди.
12. Қубладағы бөлмелерге шығыстан, дийўалды бойлап турған жолдың басланған жеринен киретуғын еди.
13. дам маған былай деди: – Ашық майданның арқасындағы ҳәм қубласындағы бөлмелер – мухаддес бөлмелер. Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлер ең мухаддес затларды сол жерде жейди. Ең мухаддес қурбанлықларды – ғәлле садақаларын, гүна ҳәм айып қурбанлықларын сол жерге қояды. Себеби ол жер мухаддес.
14. Руўханийлер мухаддес орыннан сыртқы ҳәўлиге туўры шығып кетпеўи тийис. Олар хызмет ўақтында кийген кийимлерин усы жерге шешип қойыўы керек. Себеби бул кийимлер мухаддес. Халықтың алдына шықпасынан алдын, руўханийлер кийимлерин өзгертиўи керек.
15. Ол Ибадатхананың ишки жағындағы өлшемлерди алып болғаннан соң, мени шығыстағы дәрўаза арқалы алып шығып, Ибадатхана дөгерегиндеги сыртқы аймақты өлшей баслады.
16. Ол өлшейтуғын таяқ пенен шығыс тәрепти өлшеди. Ол бес жүз шығанақ шықты.
17. Арқа тәрепти өлшеди, ол бес жүз шығанақ шықты.
18. Қубла тәрепти өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты.
19. Кейин батысқа айланып, оны өлшеди, ол да бес жүз шығанақ шықты.
20. Усылайынша, ол Ибадатхана аймағының төрт тәрепин өлшеп шықты. Мухаддес орынды мухаддес емес орыннан ажыратып туратуғын дийўал бар еди. Оның узынлығы да, ени де бес жүз шығанаққа тең еди.
1. Кейин адам мени шығысқа қарап турған дәрўазаға алып келди.
2. Мине, Израилдың Қудайының салтанаты шығыс тәрептен кирип келди. Даўысы күшли аққан суўлардың гүмбирлиси яңлы еди. Салтанатынан жер жүзи нурға толып турды.
3. Бул аян Қудай Ерусалимди набыт қылыўға келгенинде ҳәм Кебар каналы бойында болғанымда көрген аянларыма уқсар еди. Мен жерге ет бетимнен жығылдым.
4. Жаратқан Ийениң салтанаты шығысқа қараған дәрўазадан Ибадатханаға кирди.
5. Руўх мени көтерип, ишки ҳәўлиге алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим.
6. Адам қасымда турғанында, Ибадатханадан маған сөйлеген даўысты еситтим.
7. Ол былай деди: – Инсан улы, бул орын Мениң тахтым туратуғын ҳәм табан тирейтуғын жерим. Усы жерде, Израил халқының арасында мәңгиге боламан. Буннан былай, Израил халқы да, патшалары да, өзлериниң опасызлығы менен ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўы менен мухаддес атымды ҳарамламайтуғын болады.
8. Олар босағасын босағамның қасына, қапыларының жақлаўларын Мениң қапы жақлаўларымның қасына қурды. Мениң менен олардың арасында тек ғана бир дийўал бар еди. Олар ислеген жеркенишли ислери арқалы Мениң мухаддес атымды ҳарамлады. Сонлықтан ғәзеп пенен оларды жоқ қылдым.
9. Енди Израил халқы опасызлықларын ҳәм марҳум патшаларына сыйыныўды Меннен аўлақ қылсын. Сонда Мен олардың арасында мәңгиге мәкан басаман.
10. Инсан улы, усы Ибадатхана туўралы Израил халқын хабардар қыл. Олар ислеген гүналарынан уялсын, мына Ибадатхананың жобасы менен танысып шықсын.
11. Егер олар ислеген барлық ислеринен уялып, пушайман болса, онда оларға Ибадатхананың көринисин, жайласыў тәртибин, киретуғын ҳәм шығатуғын жерлерин, оның қурылысы менен дүзилисин ҳәм тәртипқағыйдаларын көрсет. Оның қурылысы менен қағыйдаларын сақлаўы ҳәм оларға әмел қылыўы ушын, булардың ҳәммесин олардың көз алдына жазып қой.
12. Ибадатхана нызамы мынадай: таўдың төбеси ҳәм оның әтирапындағы аймақ – жүдә мухаддес! Ибадатхана нызамы мине усындай!
13. Ибадатханадағы қурбанлық орынның өлшемлери бир шығанақ ҳәм қосымша төрт ели туратуғын узынырақ шығанақ пенен өлшенеди. Қурбанлық орынның айналасында тереңлиги бир шығанақ, ени бир шығанақ, ернегиниң еки бир қарыс болған салмаша болады. Қурбанлық орынның бийиклиги мынадай:
14. Қурбанлық орынның төменги бөлегиниң бийиклиги салмашаның түбинен өлшегенде еки шығанақ, үстинги тәрепиниң екинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ. Ортадағы бөлектиң бийиклиги төрт шығанақ, үстинги тәрепиниң үшинши бөлектиң түбине дейинги аралығы бир шығанақ.
15. Ең үстинги үшинши бөлектиң, яғный қурбанлық жағылатуғын орынның бийиклиги төрт шығанақ болып, оннан төрт шақ шығып турады.
16. Қурбанлық орынның ошағының узынлығы да, ени де он еки шығанақ болып, төрт мүйешлик көринисинде болады.
17. Ортадағы бөлегиниң төрт тәрепи де он төрт шығанақтан еди. Қурбанлық орынның түбиндеги салмашаның ернегиниң бийиклиги ярым шығанақ болады. Дөгерегине айландырып исленген салмашаның тереңлиги бир шығанақ еди. Қурбанлық орынның текшеси шығыс тәрепте болады.
18. Адам маған былай деди: – Инсан улы! Қудай Ийе былай дейди: «Қурбанлық орынды қурғаннан кейин, оның үстинде жандырылатуғын қурбанлықты усыныў ҳәм қан серпиў қағыйдалары мынадай:
19. Маған хызмет етиў ушын, Маған жақынласа алатуғын Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлерге гүна қурбанлығы ретинде бир буға бер, – дейди Қудай Ийе.
20. – Буғаның қанын алып, қурбанлық орынның төрт шақына сүртип, жоқарғы бөлектиң төрт мүйешине ҳәм ернеклерине айландырып серпип шықсын. Усылайынша қурбанлық орын тазаланып, пәкленеди.
21. Кейин гүна қурбанлығы ушын сойылған буғаны Мухаддесхананың сыртындағы арнаўлы орынға алып барып, өртеп жиберсин.
22. Екинши күни гүна қурбанлығы ушын минсиз теке усынылсын. Буғаның қаны менен тазаланғаны сыяқлы, текениң қаны менен де қурбанлық орын тазалансын.
23. Қурбанлық орынды пәклегеннен соң, минсиз буға менен қошқарды
24. Жаратқан Ийениң, Мениң алдыма алып кел. Руўханийлер оларға дуз сеўип, оларды жандырылатуғын қурбанлық қылып Маған усынсын.
25. Жети күн даўамында, ҳәр күни минсиз бир текени гүна қурбанлығы қылып усынсын. Және де, минсиз бир буға менен минсиз бир қошқарды да қурбанлыққа усынсын.
26. Усы жети күн даўамында руўханийлер қурбанлық орынды тазалап пәклесин. Кейин оны пайдаланыўға болады.
27. Жети күн тамам болғаннан кейин, сегизинши күннен баслап руўханийлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды ҳәм татыўлық қурбанлықларыңызды қурбанлық орында усынады. Сонда Мениң сизлерге кеўлим толады, – дейди Қудай Ийе».
1. Сол адам мени қайтадан Мухаддесхананың шығысындағы сыртқы дәрўаза жанына алып барды. Дәрўаза жабық еди.
2. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул дәрўаза бәрқулла жабық турсын, ашылмасын, буннан ҳеш ким кирмесин. Себеби Мен, Жаратқан Ийе буннан кирдим, сонлықтан ол жабық ҳалында қалады.
3. Тек ҳүкимдар ғана Мениң алдымда қурбанлық асынан жеў ушын бул имаратқа киреди. Ол айўан арқалы кирип, сол жол менен шығып кетеди.
4. Кейин ол адам мени арқадағы дәрўаза арқалы Ибадатханаға алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим ҳәм ет бетимнен жерге жығылдым.
5. Жаратқан Ийе маған былай деди: – Инсан улы, көрген ҳәм еситкенлериңе дыққатлы бол. Мен саған Жаратқан Ийениң Үйиниң қағыйдалары ҳәм нызамлары туўралы айтаман. Ибадатханаға кимлердиң кирип-шығыўына болатуғынына дыққатлы бол.
6. Қозғалаңшы Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Израил халқы, жетер енди, жеркенишли ислериңизди тоқтатың!
7. Қурбанлықтың қаны менен майын аўқат сыпатында Маған усынғаныңызда, жүреги ҳәм денеси сүннет етилмеген жат жерлилерди Мухаддесханама алып кирип, оны ҳарамладыңыз. Жеркенишли ислериңиз бенен келисимимди буздыңыз.
8. Мухаддес затларымды қорғаўға байланыслы талапларымды орынламадыңыз. Бул затларға қараў ушын өзлериңиздиң орныңызға жат жерлилерди хызметке қойдыңыз.
9. Қудай Ийе былай дейди: Жүреги ҳәм ети сүннет етилмеген бирде бир жат жерли, ҳәтте, ол израиллылар арасында жасаса да Мухаддес мәканыма кирмеўи керек.
10. Израил жолдан азып, бутларға табынып кеткенде, оларға қосылып Меннен жүз бурған лебийлилер өз гүнасының жазасын тартады.
11. Олар Мухаддес мәканымда хызмет ете береди: дәрўазада қараўыл болады, Ибадатханаға байланыслы хызметлерди атқарады. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сояды, халыққа хызмет етеди.
12. Бирақ бутларға табынып жүрген Израил халқына хызмет етип, оларды гүнаға баслағаны ушын ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – олар өз айыбының жазасын тартады.
13. Олар руўханий болып Маған жақынласпайды, мухаддес затларыма ҳәм ең мухаддес затларыма қол тийгизбейди. Ислеген жеркенишли ислери ушын иснат жүгин арқалайды.
14. Деген менен, Ибадатхана менен байланыслы хызметти ҳәм ол жерде исленетуғын барлық әпиўайы ислерди оларға жүклеймен.
15. Израил халқы Меннен жүз бурып кеткенде, Мухаддесхананың хызметин садықлық пенен атқарған Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлер хызмет етиў ушын Маған жақынласады. Қурбанлықтың майын ҳәм қанын усыныў ушын Мениң алдымда турады, – дейди Қудай Ийе.
16. – Тек олар ғана Мухаддесханама кирип, Маған хызмет етиў ҳәм талапларымды орынлаў ушын дастурханыма жақынласады.
17. Руўханийлер ишки ҳәўлиниң дәрўазасынан кирерде, зығырдан тигилген кийим кийип алсын. Ишки ҳәўлиде ямаса Ибадатхана ишинде хызмет қылғанында үстине жүнли кийим киймесин.
18. Басларына зығыр сәлле орасын ҳәм зығыр диз кийим кийип алсын. Терлететуғын кийим киймесин.
19. Сыртқы ҳәўлиге, халықтың алдына шықпастан алдын хызмет ўақтында кийген кийимлерин шешип, мухаддес бөлмелерде қалдырып, басқа кийим кийсин. Халық олардың мухаддес кийимлерине тийип кетпесин.
20. Руўханийлер шашларын пәки менен алдырмаўы ҳәм узын етип өсирмеўи керек. Ал шашларын бәрқулла келтертип турсын.
21. Ишки ҳәўлиге киргенде бирде бир руўханий шарап ишпеўи керек.
22. Олар жесирге де, ажырасқан ҳаялға да үйленбеўи керек. Тек ғана Израил нәсилинен болған қызларға ҳәм руўханийден қалған жесирге үйлениўи мүмкин.
23. Руўханийлер халқыма мухаддес нәрсе менен мухаддес емес нәрсениң, ҳарам менен ҳадалдың айырмашылығын үйретсин.
24. Даўлы мәселелерде қазылық етип, Мениң нызамларыма сай қарар шығарсын. Мен белгилеген байрамларға байланыслы көрсетпелеримди ҳәм қағыйдаларымды қадағаласын. Шаббатымды мухаддес сақласын.
25. Олардан ҳеш бири өли денеге жақынлап, өзин ҳарамламасын. Тек ата-анасы, ул-қызы, аға-иниси ямаса турмысқа шықпаған әжапа ҳәм қарындасы өлсе ғана, руўханий өлиге жақынлап, өзин ҳарамлаўы мүмкин.
26. Руўханий тазаланыў рәсиминен өткеннен кейин, және жети күн күтиўи керек.
27. Ол мухаддес орында хызмет етиў ушын ишки ҳәўлиге кирген күни, өзи ушын гүна қурбанлығын бериўи керек, – дейди Қудай Ийе.
28. – Руўханийлерге Израил жеринен үлес берилмесин. Олардың мийрасы да, үлеси де Мен боламан.
29. Олар ғәлле садақаларынан, гүна ҳәм айып қурбанлықларынан жейди. Израилда толығы менен Маған бағышланған ҳәр бир нәрсе оларға тийисли болады.
30. Қамырдың биринши зуўаласынан жабылған нанлар ҳәм барлық сыйларыңыз руўханийлердики болады. Үйиңизде берекет болыўы ушын, бийдайдың дәслепки тартылған унын руўханийлерге бериң.
31. Ҳарам өлген яки жыртқыш ҳайўан талаған қустың ҳәм ҳайўанның гөшин жеў руўханийлерге қадаған етиледи».
1. «Израил жерин урыўларға бөлгениңизде, узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болған бир бөлек жерди мухаддес аймақ сыпатында Жаратқан Ийе ушын ажыратың. Бул жер толығы менен мухаддес саналсын.
2. Сол жердиң бес жүз шығанаққа бес жүз шығанақ болған төрт мүйешли жери Мухаддесхана ушын ажыратылсын. Оның әтирапын айланған елиў шығанақлық ашық майдан болсын.
3. Мухаддес аймақтан узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған бир бөлек өлше. Мухаддесхана жайласқан бул жер жүдә мухаддес жер болады.
4. Жердиң бул мухаддес бөлеги Жаратқан Ийеге жақынласатуғын руўханийлерге, яғный Мухаддесханада хызмет ететуғын руўханийлерге тийисли болады. Бул бөлекте Мухаддесхана ушын мухаддес орын ҳәм руўханийлердиң үйлери болады.
5. Узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени он мың шығанақ болған мухаддес аймақтың екинши ярымы Ибадатхана хызметиндеги лебийлилерге жасайтуғын қалаларын қурыў ушын мүлик етип бериледи.
6. Мухаддес аймақтың қапталынан ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған жерди қала ушын ажыратың. Бул жер пүткил Израил халқына тийисли болады».
7. «Мухаддес аймақ пенен қала аймағының еки қапталындағы жерлер ҳүкимдарға берилсин. Ол батыс тәрептен батысқа, шығыс тәрептен шығысқа қарай созылып, оның узынлығы батыстан шығысқа шекем созылған Израил урыўларына ажыратылған жердиң узынлығына тең болады.
8. Бул Израилда ҳүкимдардың үлеси болады. Буннан былай, ҳүкимдарларым халқыма зулымлық қылмайды. Израил урыўлары өз жерлерине өзлери ийелик қылады».
9. «Қудай Ийе былай дейди: Жетер енди, Израил ҳүкимдарлары! Зорлық-зомбылықты ҳәм езиўшиликти тоқтатың. Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Халқымды өз ийелигинен қуўып шығарыўды тоқтатың, – дейди Қудай Ийе.
10. – Тәрезиңиз туўры болсын, сыйымлылықты өлшейтуғын эфа ҳәм суйықлықты өлшейтуғын бат ыдысларыңыз дурыс өлшемде болсын.
11. Эфа менен баттың сыйымлылық көлеми бирдей болсын. Эфа да, бат та хомердиң оннан бир бөлегине тең болсын. Эфа ушын да, бат ушын да хомер үлги болып белгиленсин.
12. Бир шекел жигирма гераға тең болсын, жигирма шекел, жигирма бес шекел ҳәм он бес шекел қосылып бир минаны қурасын».
13. «Беретуғын салығыңыз мынадан ибарат: бийдайдың алпыстан бир бөлеги, арпаның алпыстан бир бөлеги,
14. зәйтүн майының жүзден бир бөлеги. Майды өлшегенде баттан пайдаланың, он бат бир хомерге, яғный бир корға* туўры келеди.
15. Сондай-ақ Израил жайлаўындағы еки жүз қойдан биреўи ҳүкимдарға берилсин. Булар ғәлле садақасы, жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы болып, гүнадан пәклениў ушын бериледи, – дейди Қудай Ийе.
16. Елдеги пүткил халық бул садақаларды Израил ҳүкимдарына бериўи керек.
17. Ҳүкимдар Израилда барлық байрамларда – үлкен байрамларда, және де Жаңа ай байрамында ҳәм Шаббат күнлеринде жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын тәмийинлеўи шәрт. Ол Израил халқын пәклеў ушын берилетуғын гүна қурбанлығын, ғәлле садақасын, жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм татыўлық қурбанлығын алып келеди.
18. Қудай Ийе былай дейди: – Биринши айдың биринши күни минсиз бир буға алып, Мухаддесхананы пәкле.
19. Руўханий гүна қурбанлығының қанынан алып, оны Ибадатхана қапыларының жақлаўларына, қурбанлық орынның үстиниң төрт мүйешине, ишки ҳәўлиге киретуғын дәрўазалардың жақлаўларына жақсын.
20. Халықтың билмей ҳәм абайламай қылған гүналары ушын жетинши күни де солай ислеңлер. Усылайынша Ибадатхананы пәклең.
21. Биринши айдың он төртинши күни Қутқарылыў байрамын байрамлаң, бунда жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек.
22. Байрамның биринши күни ҳүкимдар өзиниң ҳәм халықтың гүнасы ушын бир буғаны гүна қурбанлығы ушын усынады.
23. Байрамның жети күни даўамында ҳәр күни ҳүкимдар Маған минсиз жети буға менен минсиз жети қошқарды жандырылатуғын қурбанлық етип ҳәм ҳәр күни бир текени гүна қурбанлығы етип бериўи керек+.
24. Қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге ғәлле садақасы сыпатында бир эфадан ун ҳәм ҳәр бир эфа ушын бир ҳиннен зәйтүн майын берсин.
25. Жетинши айдың он бесинши күни басланатуғын Қос байрамы ушын да ҳүкимдар жети күн даўамында берилетуғын гүна қурбанлықларын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм зәйтүн майын берсин».
1. «Қудай Ийе былай дейди: – Ишки ҳәўлиге алып киретуғын шығыс тәрептеги дәрўаза алты жумыс күни даўамында жабық турсын. Ал Шаббат күни ҳәм Жаңа ай байрамы күни ашылсын.
2. Ҳүкимдар сыртқы ҳәўлиден усы дәрўаза имаратының айўанына кирип, айўан есигинде турсын. Руўханий оның жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынып атырғанда, ҳүкимдар айўан босағасында турып сыйынсын. Кейин келген жолы менен шығып кетсин. Бирақ дәрўаза кешке шекем ашық турсын.
3. Ҳәр Шаббат ҳәм Жаңа ай байрамы күни Израил халқы усы дәрўаза алдында турып, Жаратқан Ийеге сыйынсын.
4. Шаббат күни ҳүкимдар Жаратқан Ийеге минсиз алты тоқлы менен минсиз бир қошқарды жандырылатуғын қурбанлық ушын алып келсин.
5. Қошқарға қосып, ғәлле садақасы ушын бир эфа ун берсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ун берсин. Ҳәр бир эфа унға бир ҳин муғдарда зәйтүн майын қосып берсин.
6. Жаңа ай байрамы күни минсиз бир буға, алты тоқлы ҳәм бир қошқар берсин.
7. Ғәлле садақасы ушын буғаға қосып бир эфа, қошқарға қосып бир эфа ун алып келсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасын берсин. Ҳәр бир эфа ун ушын бир ҳин зәйтүн майын қосып берсин.
8. Ҳүкимдар ишке киргенде, дәрўаза имаратының айўаны арқалы кирсин ҳәм сол жол менен қайтып шықсын.
9. Белгиленген байрамларда үлке халқы сыйыныў ушын Жаратқан Ийениң алдына келгенде, арқадағы дәрўазадан киргенлери қубладағы дәрўазадан, қубладағы дәрўазадан киргенлери арқадағы дәрўазадан шығып кетсин. Ҳәр бир адам кирген дәрўазасынан қайтып шықпай, қарама-қарсы дәрўазадан шығып кетиўи керек.
10. Ҳүкимдар олардың арасында болыўы керек. Халық киргенде кириўи, халық шыққанда шығыўы керек.
11. Үлкен байрамларда ҳәм белгиленген байрамларда қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге бир эфадан ғәлле садақасы бериледи. Тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасы бериледи. Ҳәр бир эфа ун менен бирге бир ҳин зәйтүн майы бериледи.
12. Ҳүкимдар Жаратқан Ийеге ықтыярлы түрде жандырылатуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығын бермекши болса, оған шығысқа қараған дәрўаза ашылсын. Бул қурбанлықларды ол Шаббат күни беретуғын қурбанлықлардай етип усынсын. Кейин ол сыртқа шығып кетеди ҳәм дәрўаза жабылады».
13. «Ҳәр күни азанда бир жасар минсиз бир тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип алып келип, оны Жаратқан Ийеге усының.
14. Оның менен бирге ҳәр күни азанда ғәлле садақасы ушын эфаның алтыдан бир бөлеги муғдарында сапалы ун ҳәм унға араластырыў ушын ҳинниң үштен бир бөлеги муғдарында зәйтүн майы берилсин. Ғәлле садақасының Жаратқан Ийеге усыныў қағыйдасы мәңгиге усындай болады.
15. Тоқлы, ғәлле ҳәм зәйтүн майы жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни азанда үзликсиз түрде алып келинсин».
16. «Қудай Ийе былай дейди: Егер ҳүкимдар өз ийелигинен улларының бирине жер саўға қылса, бул жер оның әўладларына да мийрасқа өтип, олардың мийрасы болады.
17. Егер ҳүкимдар хызметшилериниң бирине жер саўға қылса, хызметши бул жерге Қутлы жылға дейин ғана ийелик қыла алады. Кейин жер ҳүкимдарға қайтарып бериледи. Ҳүкимдардың жери тек оның балаларына ғана мийрасқа өте алады.
18. Ҳүкимдардың халықты жерден қуўып шығарып, олардың жерин тартып алыўға ҳақысы жоқ. Ол тек өз жеринен балаларына мийрас ажыратыўы мүмкин. Халқымның ҳеш бири өз жеринен қуўып шығарылмасын».
19. Кейин адам мени дәрўаза жанындағы жол арқалы руўханийлерге арналған арқаға қарап турған мухаддес бөлмелерге алып келди. Сол жерден батыстағы ең шетки орынды көрсетти.
20. Ол былай деди: – Бул жерде руўханийлер айып ҳәм гүна қурбанлықларының гөшин писиреди ҳәм ғәлле садақасының нанын жабады. Халықтың мухаддес азық-аўқатларға тийип кетпеўи ушын, оларды сыртқы ҳәўлиге шығармаўы керек.
21. Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге шығарып, ҳәўлиниң төрт мүйешине алып барды. Ҳәр бир мүйеште қоршалған бир орын бар еди.
22. Ҳәўлиниң ҳәр бир мүйешинде өлшемлери бирдей болған, узынлығы қырық шығанақ, ени отыз шығанақ болған үсти жабық орынлар бар еди.
23. Олардың ҳәммеси дийўал менен айландырылған болып, дийўалдың иши бойлап ошақлар қурылған еди.
24. Адам маған былай деди: – Булар асханалар. Онда Ибадатхана хызметшилери халықтың алып келген қурбанлық гөшлерин писиреди.
1. Кейин ол мени қайтадан Ибадатхана қапысына алып барды. Ибадатхана шығысқа қарап турған еди. Мен Ибадатхана босағасының астынан шығысқа қарай суў ағып турғанын көрдим. Суў Ибадатхананың қубла тәрепинен шығып, қурбанлық орынның қубласы арқалы ағып турған еди.
2. Адам мени арқа дәрўаза арқалы алып шықты ҳәм сырт жақ пенен айланып, шығысқа қарап турған сыртқы дәрўазаға алып барды. Суў қубла тәрептен ағып турған еди.
3. Адам қолындағы өлшеўиш жиби менен шығысқа қарай жүрди де, мың шығанақ аралықты өлшеди. Кейин мени суўға түсирди. Суў тобығыма келип турды.
4. Ол тағы мың шығанақ аралықты өлшеп, мени арманырақ алып барды. Суў диземе келди. Және мың шығанақ аралықты өлшеп, мени және де арманырақ алып барды. Енди суў белиме дейин келди.
5. Кейин ол және мың шығанақ аралықты өлшеп алды. Бул жерде суў мен өте алмайтуғын дәрьяға айланды. Суў көтерилип, жүзип өтпесе, кешип өте алмайтуғын дәрьяға айланған еди.
6. Ол меннен: – Инсан улы, мынаны көрип турсаң ба? – деп сорады. Кейин мени жағаға алып шықты.
7. Жағаға шыққанымда, мен еки жағада да көп тереклердиң өсип турғанын көрдим.
8. Ол маған былай деди: – Бул суў шығысқа қарай ағып, Иордан тегислиги арқалы Өли теңизге қуяды. Сонда теңиздиң суўы душшы болады.
9. Дәрья ағып барған ҳәмме жерде тиришилик басланады, балықлар толып тасады. Себеби дәрья суўы ашшы суўды душшы суўға айландырады. Бул суўлар ағып өткен жерлердиң ҳәммесинде тиришилик болады.
10. Дәрья бойларында балықшылар турып, Эн-Гедийден Эн-Эглайымға шекемги орынларда аўларын кептиреди. Жер Орта теңизиндегидей балықлардың түри көп болады.
11. Бирақ батпақлықлар менен шалшық суўлардың суўлары тазаланбайды. Олар дуз кәни болып қала береди.
12. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр түрли мийўе ағашлары өседи, жапырақлары солымайды, мийўелери таўысылмайды, ҳәр айда мийўе береди. Өйткени Мухаддесханадан шыққан суў оларды суўғарады. Мийўелери азық болады, ал жапырақлары шыпалы болады.
13. «Қудай Ийе былай дейди: Жерди Израилдың он еки урыўына бөлип бергениңизде, мынадай қылың: Юсупке еки пай берилсин.
14. Жерди урыўларға теңдей бөлип бериңлер. Мен бул жерди атабабаларыңызға беремен деп ант иштим. Бул жер сизлердиң мүлкиңиз болады.
15. Елдиң шегарасы мынадай: арқа шегараңыз Жер орта теңизинен басланып, Хетлон жолы арқалы Лебо-Хаматтың қасы менен Седад,
16. Берота қалаларына ҳәм Дамаск пенен Хамат аралығында жайласқан Сибрайым қаласына дейин барып, Хаўран шегарасындағы Хасер-Ҳаттихонға дейин созылады.
17. Солай етип, шегара Жер Орта теңизинен Хасар-Энонға шекем созылады. Арқада Дамаск ҳәм Хамат ийеликлери бар. Бул арқа шегараңыз.
18. Шығыс шегара Хаўран ҳәм Дамаск аралығынан басланып, Израил ҳәм Гилад жерлери арасынан ағып өтетуғын Иордан дәрьясы арқалы шығыстағы теңизге барып, сол жерден Тамар қаласына дейин жетип барады. Бул шығыс шегараңыз.
19. Қубла шегараңыз Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем, кейин Мысыр шегарасындағы сай бойлап барып, Жер Орта теңизине келип тиреледи. Бул қубла шегараңыз.
20. Батыс шегараңыз Жер Орта теңизин бойлап барып, ЛебоХаматқа қарама-қарсы жайласқан жерге дейин созылады. Бул батыс шегараңыз болады.
21. Бул жерлерди Израил урыўларына бөлип бериңлер.
22. Жерди өзлериңизге ҳәм араңызда жасап балалы болған келгиндилерге бөлистирип бериң. Жат жерлилер Израил урпақлары арасында жергиликли турғынлар сыпатында қаралсын ҳәм израиллылар менен теңдей үлеске ийе болсын.
23. Жат жерли қайсы урыўдың арасына қоныс басқан болса, оған сол урыўдың жеринен үлес берилсин, – дейди Қудай Ийе».
1. «Мыналар урыўлардың атлары. Дан урыўының үлеси арқада жайласқан. Оның шегарасы Хетлон жолы бойлап ЛебоХаматқа дейин барып, оннан Дамаск ҳәм Хамат арасындағы арқа шегарада орналасқан Хасар-Энанға дейин созылады. Дан урыўына тийисли аймақ Израил елиниң шығыс шегарасынан батыс шегарасына шекем созылады.
2. Ашердиң үлеси Данның жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
3. Нафталийдиң үлеси Ашер жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
4. Менашшениң үлеси Нафталийдиң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
5. Эфрайымның үлеси Менашше жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
6. Рубенниң үлеси Эфрайым менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
7. Яҳуданың үлеси Рубенниң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
8. Яҳуданың шегарасынан баслап, шығыстан батысқа дейин созылған жерди ажыратып қойың. Оның ени жигирма бес мың шығанақ, узынлығы шығыстан батысқа созылған, урыўлардың пайына тийген жердиң узынлығы менен тең болсын. Бул жердиң ортасында Мухаддесхана болады.
9. Жаратқан Ийеге арналған жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады.
10. Мухаддес аймақтың руўханийлерге тийисли бөлегиниң арқадағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ, батыстағы ени он мың шығанақ, шығыстағы ени он мың шығанақ, қубладағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ болады. Оның ортасында Жаратқан Ийениң Мухаддесханасы болады.
11. Бул үлес Садоқ нәсилинен шыққан ҳәм руўханийликке тайынланған руўханийлерге тийисли болады. Олар Мениң талапларымды орынлады. Израил халқы менен бирге лебийлилер де жолдан азғанда, олар Маған садық қалды.
12. Мухаддес аймақтың жүдә мухаддес бөлеги руўханийлерге тийисли болады. Ол жер лебийлилердиң жерине шегаралас болады.
13. Руўханийлердиң жериниң жанынан лебийлилерге берилетуғын жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады. Бул бөлектиң узынлығы барлығы болып жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады.
14. Бул бөлекти сатыўға да, алмастырыўға да болмайды. Бул елдеги ең жақсы үлес болады. Оны басқа адамның қолына бериўге болмайды. Себеби бул – Жаратқан Ийениң мухаддес жери.
15. Қалған ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған әпиўайы жер қала үйлери ҳәм жайлаўлар ушын бериледи. Қала сол жердиң орайында жайласады.
16. Қаланың өлшеми мынадай: арқа тәрепи төрт мың бес жүз, қубла тәрепи төрт мың бес жүз, шығыс тәрепи төрт мың бес жүз ҳәм батыс тәрепи төрт мың бес жүз шығанақ.
17. Қала арқа, шығыс, қубла ҳәм батыс тәреплерден ени еки жүз елиў шығанақ болған жайлаўлар менен қоршалған болады.
18. Қаладан тысқары болған, мухаддес жер менен шегаралас турған жердиң шығыс тәрепи де, батыс тәрепи де он мың шығанақ болады. Бул жерде қалада ислеўшилер ушын азық жетистириледи.
19. Израилдың ҳәмме урыўларынан қалада ислеўшилер бул атызларға егин егиўи мүмкин.
20. Улыўма ажыратылған жердиң узынлығы да, ени де жигирма бес мың шығанақтан болады, ал қалаға ажыратылған үлес мухаддес аймақтың төрттен бирине тең болады.
21. Мухаддес аймақтың ҳәм қалаға қараслы бөлектиң еки тәрепиндеги жерлер ҳүкимдарға тийисли болады. Оның узынлығы жигирма бес шығанақ болып, шығыс тәрепиндегиси шығыс шегараға, батыс тәрепиндегиси батыс шегараға барып тақалады. Урыўларға тийисли үлеске шегаралас жайласқан бул еки аймақ ҳүкимдарға тийисли болады. Мухаддес Ибадатхана турған мухаддес аймақ олардың ортасында болады.
22. Солай етип, лебийлилердиң үлеси ҳәм қала мүлки ҳүкимдардың ийелигиниң арасында жайласады. Ҳүкимдардың ийелиги Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериниң ортасында болады.
23. Қалған урыўларға келсек, Беняминниң үлеси шығыстан батысқа дейин созылады.
24. Шимонның үлеси Беняминниң үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
25. Иссахардың үлеси Шимонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
26. Зебулонның үлеси Иссахардың үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
27. Гадтың үлеси Зебулонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
28. Гадтың үлесиниң қубла шегарасы Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем барады, ол жерден Мысыр шегарасындағы сай бойлап өтип, Жер Орта теңизине жетеди.
29. Солай етип, Израил урыўларына бөлип беретуғын үлес жерлериңиз усылар, – дейди Қудай Ийе».
30. «Қаланың айнала дөгереги мынадай болсын: узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған арқа тәрепте
31. үш дәрўаза болсын. Қала дәрўазалары Израил урыўларының атлары менен аталсын. Арқа тәрептеги дәрўазалар Рубен, Яҳуда ҳәм Лебий дәрўазалары деп аталсын.
32. Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған шығыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Юсуп, Бенямин ҳәм Дан дәрўазалары деп аталсын.
33. Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған қубла тәрепте үш дәрўаза болып, олар Шимон, Иссахар ҳәм Зебулон дәрўазалары деп аталсын.
34. Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған батыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Гад, Ашер ҳәм Нафталий дәрўазалары деп аталсын.
35. Қаланың айланасы барлығы болып он сегиз мың шығанақ болады. Қала сол күннен баслап „Жаратқан Ийе сол жерде“ деп аталады».



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.