Мухаддес Китап
Ҳошеа
1. Яҳуда патшалары Уззия, Иотам, Ахаз, Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары ҳәм Израил патшалары Еҳоаш улы Яробам ҳүкимдарлық еткен ўақытлары Беерий улы Ҳошеаға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2. Жаратқан Ийе Ҳошеа арқалы сөйлей баслап, оған былай деди: «Бар, бир бузық ҳаялға үйлен, оның бузықшылық пенен туўған балалары болады. Өйткени бул ел де Жаратқан Ийеден бас тартып, опасызлық қылды».
3. Солай етип, Ҳошеа Диблайымның қызы Гомерге үйленди. Гомер ҳәмиледар болып, Ҳошеаға ул туўып берди.
4. Жаратқан Ийе Ҳошеаға былай деди: «Улыңның атын Изреел деп қой. Себеби узақ ўақыт өтпей, Мен патша Еҳудың шаңарағын Изреелде қан төккени ушын жазалайман. Израил патшалығын жоқ қыламан.
5. Сол күни Мен Изреел ойпатлығында Израилдың садағын сындыраман».
6. Гомер және ҳәмиледар болып, қыз туўды. Жаратқан Ийе Ҳошеаға: «Қыздың атын Ло-Рухама* деп қой. Өйткени буннан былай Мен Израил халқына реҳим қылмайман, оларды кеширмеймен.
7. Бирақ Яҳуда халқына реҳим қыламан. Оларды садақ, қылыш, саўаш, ат ҳәм атлылар арқалы емес, ал Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болған Мен Өз күшим менен қутқараман», – деди.
8. Гомер Ло-Рухаманы емшектен шығарғаннан соң, және ҳәмиледар болып, ул туўды.
9. Жаратқан Ийе былай деди: «Улыңның атын ЛоАммий деп қой. Өйткени енди сизлер Мениң халқым емессиз, Мен де сизлердиң Қудайыңыз емеспен.
10. Деген менен, Израил халқы теңиздеги қум сыяқлы көп болып, оларды өлшеп те, санап та болмайтуғын ўақыт келеди. Оларға: „Сизлер халқым емессиз“, – деп айтылған жерде: „Тири Қудайдың балаларысыз“, – деп айтылады.
11. Сонда Яҳуда ҳәм Израил халықлары қайтадан бирлесип, өзлерине бир басшы таңлайды. Олар өз елинде өсип, гүллеп жаснайды. Солай етип, Изреелдиң күни уллы бир күн болады».

1. Жаратқан Ийе былай деди: «Аға-инилериңизди „Аммий“, яғный „Мениң халқым“, әжапа-қарындасларыңызды „Рухама“, яғный „Реҳим етилгенлер“, деп шақырың».
2. «Анаңыздың айыбын бетине басың, аўа, айыбын бетине басың, Ол енди ҳаялым емес, Мен де оның күйеўи емеспен. Жүзиндеги бузықшылық бояўын өширип, Алып тасласын көкирегиндеги бузықшылық белгисин.
3. Болмаса, Өзим оның кийимин шешип, жалаңаш қыламан, Анасынан туўылғандай етип, ҳәммениң алдына қояман. Кеўип қалған жердей, шөл даладай етип, Суўсызлықтан өлтиремен.
4. Балаларына реҳим қылмайман, Өйткени олар бузықшылықтан туўылған.
5. Олардың анасы бузықшылық қылды, Шерменделик пенен оларға ҳәмиледар болды. Ол былай деди: „Ойнасларымның изинен еремен, Нанымды, суўымды, жүн ҳәм зығыр таўарымды, Зәйтүн майымды ҳәм ишимлигимди олар береди“.
6. Соның ушын, тосаман жолын тикенлер менен, Жолын таба алмасын деп, дийўал қураман.
7. Ойнасларының изинен қуўады, Бирақ оларға жете алмайды, Оларды излейди, бирақ таба алмайды. Сонда ол былай дейди: „Күйеўимниң алдына қайтып барайын, Сол ўақыттағы аўҳалым ҳәзиргиден жақсы еди!“
8. Бийдай, шарап ҳәм зәйтүн майын, Оған Мен бергенимди билмеди. Баал ушын қолланған гүмис пенен алтынды да, Оған Мен бергенимди билмеди.
9. Соның ушын, зүрәәт ўақтында тартып аламан бийдайымды, Жыйын-терим мәўсиминде алып қояман таза шарабымды. Жалаңаш денесин жаўып турған жүн ҳәм зығыр таўарларымды қайтарып аламан.
10. Мине, енди ойнасларының көз алдында, Оны жалаңашлап, абырайын төгемен, Ҳеш ким оны қутқара алмайды Мениң қолымнан.
11. Пүткил қуўанышларына, байрамларына, Жаңа Ай байрамына ҳәм Шаббат күнлерине, Барлық белгиленген байрамларына шек қояман.
12. „Ойнасларымның берген төлеми“, деп айтқан, Жүзимзарлары менен әнжир бағларын ўайран етемен, Ҳәммесин тоғайлыққа айландыраман. Бағлары жем болады жабайы ҳайўанларға.
13. Баалларға арналған байрам күнлери, Оған арнап түтетки түтеткени ушын, Сырға ҳәм тағыншақлар менен безенип, Ойнасларының изинен жүрип, Мени толық умытқаны ушын, оны жазалайман», – дейди Жаратқан Ийе.
14. «Ал енди, оның кеўлин табаман, Шөлге алып барып, жыллы сөйлесемен.
15. Соннан кейин оған жүзимзарларын қайтарып беремен, Ахор ойпатлығын үмит есиги қыламан. Жаслық ўақтындағыдай, Мысырдан шыққан күнлериндегидей, Ол Маған: „Аўа“, – деп жуўап береди».
16. Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни сен Мени „Күйеўим“, деп шақырасаң, артық „Мырзам“ демейсең.
17. Бааллардың атларын қайтып тилиңе алмайтуғын қыламан. Олардың атлары қайтадан ядқа алынбайды.
18. Сол күни олар ушын жабайы ҳайўанлар, аспандағы қуслар ҳәм жер баўырлаўшылар менен келисим дүземен. Сол жерден садақ ҳәм қылышларды, барлық саўаш қуралларын жоқ қыламан. Сонда олар қәўипсиз жататуғын болады.
19. Мен сени Өзиме мәңгиге некелеп аламан. Саған ҳәмме ўақытта әдалатлы ҳәм әдил, сүйиспеншиликли ҳәм мийрим-шәпәәтли қатнаста боламан.
20. Сениң менен болған некеге садық қаламан, сен Мени Жаратқан Ийем, деп билесең».
21. Жаратқан Ийе былай деп жәриялайды: «Сол күни жуўап беремен, Мен аспанға, аспан болса жерге жуўап береди.
22. Жер бийдай, таза шарап ҳәм зәйтүн майы менен жуўап береди, Олар Изреелге жуўап береди.
23. Сол ўақытта Мен оны Өзим ушын усы жерге егемен. Ло-Рухамаға реҳим көрсетемен, Ло-Аммийге: „Мениң халқым“, – деймен. Ол да Мени: „Мениң Қудайым“, – деп шақырады».

1. Жаратқан Ийе маған былай деди: «Сен және бар! Ойнасы бар ҳәм бузықшылық ислеген болса да, ҳаялыңа қайтадан сүйиспеншилигиңди көрсет. Жаратқан Ийе болған Мениң Израил халқын сүйгеним сыяқлы, сен де ҳаялыңды сүй. Израил халқы басқа қудайларға бурылып кетти ҳәм нығызланған кишмишти жақсы көреди».
2. Солай етип, мен он бес шекел гүмиске, бир ярым хомер арпаға өз ҳаялымды қайтарып сатып алдым.
3. Оған былай дедим: «Сен узақ ўақыт мениң менен жасайсаң. Бузықшылық қылмайсаң. Бирде бир еркекке жақынламайсаң, мен де саған жақынласпайман».
4. Өйткени Израил халқы да узақ ўақыт даўамында патшасыз, басшысыз, қурбанлықсыз, кийели тассыз, эфод ҳәм бутларсыз жасайды.
5. Соннан кейин, Израил халқы қайтадан Қудайы Жаратқан Ийени ҳәм Даўыт патшаны излейди. Ақырғы күнлерде олар Жаратқан Ийеден қорқып, Оның ийгилигин қабыллайтуғын болады.

1. Тыңлаң Жаратқан Ийениң сөзин, Израил халқы, Жаратқан Ийениң бул елдиң турғынларына қарсы даўасы бар: «Бул елде садықлық та, сүйиспеншилик те, Қудай ҳаққында билим де жоқ, Мени, Өз Қудайын танығысы келмейди.
2. Ол жерде нәлет, жалған, адам өлтириў, урлық, Ҳәм бузықшылық толып кеткен. Ҳәмме жақта зорлық, қан үстине қан төгеди.
3. Соның ушын, жер көз жас төгеди, Ол жерде жасайтуғын халық ҳәлсирейди. Набыт болар жабайы ҳайўанлар, Көктеги қуслар, ҳәттеки теңиздеги балықлар.
4. Бирде биреўиңиз даўласпаңлар, Ҳеш ким бир-бирин айыпламасын, Мениң даўам сизлерге қарсы, ҳәй руўханийлер!
5. Сизлер күндиз жығыласыз, Пайғамбар да түнде сизлер менен бирге сүрнигеди, Мен анаңызды набыт қыламан.
6. Жоқ болмақта халқым Мени билмегени ушын, Өйткени сизлер ўаз кештиңиз Мени билиўден, Маған руўханий болып хызмет етпесин, деп, Мен де ўаз кешемен сизлерден. Сизлер умыттыңыз Қудайыңыздың нызамларын, Соның ушын, Мен де перзентлериңизди умытаман.
7. Руўханийлер, сизлердиң саныңыз артқан сайын, Маған қарсы көп гүна қылдыңыз. Енди абырайыңызды төгип, шерменде қыламан.
8. Сизлер халқымның гүна қурбанлықлары арқалы жасайсыз, Олардың гүна қылыўын қәлейсиз.
9. Халқымның басына түскен сизлердиң де басыңызға түседи. Тутқан жолыңыз бойынша жазалайман, Қылған қылмысыңызға жараса қайтараман.
10. Олар жейди, бирақ тоймайды қарны, Бузықшылық қылады, бирақ көбеймейди саны. Олар бузықшылық ушын, Жаратқан Ийени тәрк етти.
11. Жаңа ҳәм ески шарап, Халқымды ес-ақылынан айырды.
12. Олар ағаш буттан кеңес сорап, Таяқтан жуўап алады. Өйткени жолдан урды оларды бузықшылық руўхы, Өз Қудайынан айырылып, бузықшылық қылды.
13. Таўлардың төбелеринде қурбанлықлар шалып, Түтетки түтетип атыр төбешиклерде, Емен, ақ терек ҳәм теребинфлердиң қойыў саяларында. Соның ушын, қызларыңыз бузық болды, Келинлериңиз неке ҳадаллығын бузды.
14. Бузықшылық қылған қызларыңызды, Неке ҳадаллығын бузған келинлериңизди жазаламайман. Себеби еркеклердиң өзлери бузықларға барады, Бутқа табынатуғын жерде бузықлар менен бирге қурбанлық шалады. Ес-ақылынан айырылған халық өледи.
15. Сен, Израил бузықшылық қылсаң да, Яҳуда бул айыпқа қол урмасын. Табыныў ушын Гилгалға бармаң, Бейт-Аўенге де аяқ баспаң. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишпең.
16. Израил қайсар сыйырдай болып кетти, Енди Жаратқан Ийе оларды Қалай бағады қойдай етип кең жайлаўда?
17. Эфрайым бутларға жүрегин берди, Қой оны!
18. Олар шарабын таўысылғанша ишип, Бузықшылық жолын даўам етеди, Олардың ҳүкимдарлары шерменделикти жақсы көрди.
19. Даўыл оларды ушырып алып кетеди, Бутларға берген қурбанлықлары себепли уятқа қалады».

1. Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, руўханийлер, еситиңлер! Ҳәй, Израил халқы, дыққат пенен тыңлаңлар! Қулақ салың, ҳәй патша шаңарағы! Сизлерге қарсы ҳүким шығарылды. Сизлер Миспада адамлар ушын дузақ, Табор таўында жайылған бир тор болдыңыз.
2. Сизлер терең баттыңыз Шиттимде, Бирақ Мен ҳәммеңизди жазалайман.
3. Эфрайым, сени жақсы билемен, Израилда да Мениң ушын жасырын нәрсе жоқ. Эфрайым, ҳәзир сен бузықшылық қылып кеттиң, Израил, сен өзиңди ҳарамладың.
4. Ислеген ислери Қудайына қайтыўына жол қоймайды, Себеби олардың ишинде бузықшылық руўхы бар, Олар Жаратқан Ийени танымады.
5. Израилдың менменлиги өзине қарсы гүўалық береди, Өз жынаяты себепли қулайды Израил, яғный Эфрайым, Яҳуда да оның менен бирге қулайды.
6. Қой ҳәм маллары менен Жаратқан Ийени излейди, Бирақ Оны таба алмайды, Өйткени Жаратқан Ийе оларды таслап кетти.
7. Олар Жаратқан Ийеге опасызлық етти, Некесиз балалар туўды. Жаңа ай байрамы олардың өзлерин, Және де, егинлерин жалмап жутады.
8. Гибада кәрнай, Рамада кәрнай шертиң, Бейт-Аўенде саўаш дабылын урың, Душпан изиңизден киятыр, ҳәй Бенямин!
9. Жаза күни Эфрайым қаңырап, босап қалады, Израил урыўларына жәриялағаным сөзсиз жүз береди.
10. Яҳуда басшылары жер шегарасының сызығын, Жылыстырғанларға уқсайды, Суў тасқынындай етип, ғәзебимди төгемен олардың үстине.
11. Ҳүким ўақтында Эфрайым азап шегип, езилди, Өйткени бийҳуда затларға ериўди абзал көрди.
12. Мен Эфрайымды күйе сыяқлы жеп, Яҳуда халқын қурт сыяқлы кемиремен.
13. Эфрайым өзиниң кесел екенин, Яҳуда өз жараларын көргенде, Эфрайым Ассирияға кетти, Уллы патшадан жәрдем сорап, елши жиберди, Бирақ ол шыпа бере алмайды сизлерге, Жараңызды тәўир қыла алмайды.
14. Өйткени Мен Эфрайымға арыслан сыяқлы, Яҳуда халқы ушын күшли бир арысландай боламан. Оларды Өзим тилкимлеп, майдалап таслайман, Сүйреп, Өзим алып кетемен. Оларды ҳеш ким қутқара алмайды.
15. Олар өз гүнасын мойынлаған ўақытқа дейин, Мен оларды таслап кетемен. Азап ишинде жүргенде, Мениң жүзимди излеп, олар Маған қайтады».

1. Бул халық былай дейди: «Келиңлер, Жаратқан Ийеге қайтайық! Ол бизлерди тилкимлеп, майдалап таслады, Шыпаны да Өзи береди. Бизлерди жарадар қылды, Жараларымызды Өзи таңады.
2. Еки күнде бизлерди өмирге қайтарады, Үшинши күни аяққа турғызады, Оның дәргайында жасаймыз.
3. Келиңлер, Жаратқан Ийени билиўге умтылайық, Оны билиўге ғайрат салайық. Ол таң атыўындай сөзсиз келеди, Жерде суўғаратуғын жаўын сыяқлы, Аўа, бәҳәр жаўынындай бизлерге келеди».
4. Қудай былай дейди: «Саған не қылайын, ҳәй Эфрайым? Саған не қылайын, ҳәй Яҳуда? Сүйиспеншилигиңиз таңдағы думандай тез жоқ болады, Ерте азанғы шық сыяқлы парланып кетеди.
5. Соның ушын, сизлерди пайғамбарларым арқалы шаўып тасладым, Аўзымнан шыққан сөзлерим менен өлтирдим, Таң нурының шығатуғындай, Шығарған ҳүкимим сөзсиз жүзге асады.
6. Өйткени Мен қурбанлық емес, Мийрим-шәпәәтти қәлеймен, Жандырылатуғын қурбанлықларды емес, Мени, Қудайды танып, билиўиңизди қәлеймен.
7. Халқым Адам сыяқлы келисимди бузды, Аўа, ол жерде Маған опасызлық қылды.
8. Гилад – жаўызлардың қаласы, Көшелери қан излерине толы.
9. Қарақшылар буққыда жатып, қурбанын аңлыйды, Руўханийлер топары да оларға уқсайды. Шехем қаласына баратуғын жолда адам өлтиреди, Аўа, олар жеркенишли жынаятқа қол урады.
10. Мен Израилда қорқынышлы ҳәдийсени көрдим: Эфрайым бузықшылық қылды, Израил өзин ҳарамлады.
11. Ҳәй, Яҳуда, сениң де жаза күниң белгиленди. Мен халқымды және абаданшылыққа еристирмекши болғанымда,

1. Израилды шыпаламақшы болғанымда, Эфрайымның айыплары әшкара болды, Самарияның жынаяты ашылды. Олар ҳийлекерлик пенен ис тутады, Урылар үйлерге урлыққа түседи, Қарақшылар жол тосып тонаўшылық қылады.
2. Олардың ислеген жаўыз ислери ядымда, Бирақ олар буны ойламайды да. Енди жаўыз ислери өзлерин қоршап алды, Сол гүналар мениң көз алдымда.
3. Олар жаманлықлары менен патшаның, Жалғанлары менен ҳәмелдарларының кеўлин көтерер.
4. Олардың ҳәммеси бузықшылыққа ҳәўес, Олар қамырды ийлегеннен баслап, Ол ашығанға дейин, Өшпей жанып турған тандырға уқсайды.
5. Патшасының байрам күни, Ҳәмелдарлар шараптың қызыўына мәс болды, Патша сурбетлер менен табақлас болды.
6. Олар ҳийле менен оған жақын болар, Жүреклери пештей жанар, Түни менен ғәзептен пысқып, Азанда жалындай лаўлайды.
7. Тандырдай қызған бул барлық адамлар, Ҳүкимдарларын жалмамай жутып атыр. Нәтийжеде патшалары биринен кейин бири өлип атыр, Бирақ Мени жәрдемге шақырмады биреўи де.
8. Эфрайым басқа халықлар менен араласып кетти, Ол бир жағы күйип, бир жағы шийки қалған нанға уқсайды.
9. Өзге халықлар оның күшин жалмады, Ол болса, буны аңламады. Шашларына ақ түсти, Бирақ буны да байқамады.
10. Израилдың менменлиги, өзине қарсы гүўалық берер, Басына түскен апатларға қарамай, Өз Қудайы Жаратқан Ийеге қайтпады, Олар Мени излемеди.
11. Эфрайым сана-сезими жоқ, ақылсыз кептерге уқсайды, Олар биресе Мысырды шақырып, Биресе Ассирияға барып, жәрдем сорайды.
12. Олар кеткенде, Мен торымды олардың үстине таслайман, Аспанда ушып жүрген қустай етип, жерге түсиремен. Оларды жыйынында айтылғаны бойынша жазалайман.
13. Ҳәсирет болсын, оларға! Себеби олар Меннен узақласып кетти! Апат жаўады олардың басларына, Өйткени Маған қарсы бас көтерди! Оларды қутқарғым келеди, Бирақ Маған жалған сөйлейди.
14. Олар Маған шын жүректен жалбарынбайды, Төсеклеринде жатып, бақырады. Бийдай ҳәм шарап ушын олар өз денелерин тиледи. Меннен олар узақласады.
15. Оларға тәлим-тәрбия берип, күшейткен болсам да, Олар Маған қарсы жаманлық ойлады.
16. Олар жарамсыз садаққа уқсайды, Маған, Қудай Таалаға жүзин бурмайды. Ақылсыз сөзлери себепли, Басшылары қылыштан өледи, Мысырда олар күлки болады».

1. Жаратқан Ийе былай дейди: «Кәрнай шалып, дабыл салың! Душпан бүркиттей Жаратқан Ийениң халқының үстинде ушып жүр, Себеби халқым келисимимди бузды, Олар нызамыма қарсы шықты.
2. Израил халқы Маған дад салып: „Қудайым, Сени тән аламыз!“ – дейди.
3. Өзлери болса, ийгиликли ислерден бас тартты, Душпанлар қуўғын қылады оларды.
4. Олар Менсиз патшалар тайынлады, Рухсатымсыз басшылар сайлады. Гүмис ҳәм алтынынан өзлери ушын бутлар соқты, Усы арқалы басларына апат келтирди.
5. Ҳәй, Самария! Сениң тана сүлдериндеги бутың жеркенишли, Сизлерге қарсы ғәзебим лаўлап жанбақта! Қашан айыпсыз болып жүресиз?
6. Өйткени бул Израилдың иси, Бутты бир өнермент соқты, сонлықтан ол Қудай емес! Самарияның мүсин танасы сындырып тасланады.
7. Самал еккен адамлар боран орып алар, Масақсыз бийдай ун болмас. Бийдайыңыздың масағы болғаны менен, Оны бөтен халықлар жеп кетер.
8. Израил жалмап жутылды, Басқа халықлар арасында жарамсыз ыдысқа уқсап қалды.
9. Жалғыз қаңғып жүрген қуландай, Олар Ассирияға кетти. Эфрайым өзине ойнаслар жаллады.
10. Олар басқа халықлардан ойнаслар жалласа да, Мен оларды бир жерге жыйнап аламан. Күшли патшаның зулымлығы астында, Олар тез арада ҳәлсизленип қалады.
11. Эфрайым гүналарын жуўмақшы болып, Көп қурбанлық орынлар қурып таслады. Булар болса, гүна ислейтуғын орынға айланды.
12. Мен бул халыққа көп нызамлар жаздым, Бирақ олар нызамларымды жат нәрсе деп ойлады.
13. Олар қурбанлықлар береди, Өзлери қурбанлық гөшинен жейди, Бирақ Жаратқан Ийениң, Мениң кеўлим толмас оларға. Олардың жынаятларын еске аламан. Гүналары ушын жазасын беремен, Олар Мысырға қайтып кетеди.
14. Израил Өз Жаратыўшысын умытып, сарайлар қурды, Яҳуда көп қалаларды беккемледи. Бирақ Мен қалаларына от қояман, Қорғанларын отқа жем қыламан».

1. Ҳәй Израил, басқа халықлардай қуўанып, шадланба! Сен опасызлық қылып, Қудайдан узақластың, Барлық қырман жеринде, Бузықшылыққа төленген төлемди жақсы көрдиң.
2. Ал енди қырман да, шарап сығатуғын искенже де халықты тойдырмас, Таза шарап та олардың үмитин ақламас.
3. Олар Жаратқан Ийениң жеринде қалмайды, Эфрайым Мысырға қайтып кетеди. Ассирияда ҳарам саналған азық-аўқатларды жейди.
4. Қурбанлықларың лазымдағы нан сыяқлы болып, Оннан жегенлердиң ҳәммеси ҳарам саналады. Жаратқан Ийеге ишимлик садақасын қуймаң, Алып келген қурбанлықларың Оған мақул болмас. Олардың наны тек ғана қарын ушын, Бундай нанлар Жаратқан Ийениң үйине киргизилмес.
5. Не ислей аласыз белгиленген байрамларда, Жаратқан Ийениң байрам күнлеринде?
6. Олар апаттан қашып қутылса да, Мысыр оларды бир жерге жыйнайды, Пайтахты Мемфис оларды жерлейди. Баҳалы гүмис затларыңды жантақ шөплер басып, Шатырларына шеңгел өсип кетеди.
7. Жаза берилетуғын ўақыт жетип келди, Есап беретуғын ўақты келди. Ҳәй, Израил, мынаны билип қой, Көп гүналарың себепли, Душпаншылығыңның шексизлиги соншелли, Пайғамбар ақмақ, руўхтан илҳамланған адамлар телбе, деп саналды.
8. Қудайым пайғамбарды Эфрайымға гүзетши қылды, Бирақ оның ҳәр бир адымына дузақ қурдыңыз, Душпанлық бар Қудайымыздың үйинде.
9. Қудайым пайғамбарды Эфрайымға гүзетши қылды, Бирақ оның ҳәр бир адымына дузақ қурдыңыз, Душпанлық бар Қудайымыздың үйинде.
10. Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Израилды тапқанда, Шөлде жүзим тапқандай болдым. Ата-бабаларыңызды көргенде, Дәслепки әнжир мийўесин көргендей болдым. Бирақ олар Баал-Пеорға келгенде, Сол жердеги жеркенишли бутқа өзлерин бағышлады. Олар өзлери жақсы көрген сол бут сыяқлы Жеркенишли болып қалды.
11. Эфрайымның салтанаты бир қус сыяқлы ушып кетеди, Оларда перзент те туўылмас, ҳаяллары да ҳәмиледар болмас, Қурсағына бала да питпес.
12. Егер перзент өсирсе де, Мен оларды биреўин де қалдырмай тартып аламан. Аўа, оларды таслап кеткенимде, ҳәсирет шегеди!
13. Эфрайымды көргенимде, Ол Тир қаласына уқсайтуғын еди, Гөззал жерде жайласқан еди. Бирақ енди Эфрайым өз балаларын, Жәлладтың алдына алып шығады».
14. Жаратқан Ийе, бул халқыңа не бересең? Ҳаялларды бала туўмайтуғын, Балаларын емизе алмайтуғын қылып бер.
15. Жаратқан Ийе былай дейди: «Олардың ҳәр бир жаўызлығы Гилгалдан басланды, Сол жерде жеркене басладым олардан. Ислеген жаўызлықлары ушын, Оларды үйимнен қуўып жиберемен. Артық оларды жақсы көрмеймен, Олардың барлық басшылары Маған қарсы бас көтерди.
16. Эфрайым қулады, тамырлары кеўип қалды, Артық мийўе бере алмайды. Балалы болған жағдайда да, Әлпешлеген зүрядын өлтиремен».
17. Олар Қудайға қулақ салмағанлықтан, Қудайым олардан жүз бурады. Халықлар арасында гезенде болады.

1. Израил жайылып өскен жүзим ағашына мегзейди, Мол мийўесин берди, Бирақ мийўеси көбейген сайын, Бутқа арнап көп қурбанлық орын қурды. Ели гүллеп жаснаған сайын, кийели тасларды безеди.
2. Иши қара бул халық енди айыбы ушын жазасын алады, Жаратқан Ийе бутқа арналған қурбанлық орынларын қулатады, Кийели тасларын сындырып таслайды.
3. Соннан соң олар былай дейди: «Бизлердиң патшамыз жоқ, Өйткени Жаратқан Ийеден қорқпадық. Патшамыз болғаны менен, Не келер еди оның қолынан?»
4. Олар айтып атыр мәниссиз сөзлерди, Жалған ант ишип, келисим дүзип атыр. Соның ушын, атыздың қарықларындағы зәҳәрли шөп сыяқлы, Әдилсизлик көбейип бармақта.
5. Самарияда жасайтуғынлар, Бейт-Аўендеги қашар бутынан қәўетер алар, Халқы оның ушын жас төгер. Буттың руўханийлери де дад салар, Себеби буттың салтанаты алып тасланады.
6. Бут сый ретинде уллы патшаға, Ассирияға алып кетиледи, Эфрайым шерменде болады, Израил өз жобасы себепли уятқа қалады.
7. Суўдағы ығып кеткен таяқ сыяқлы, Самария патшасы жоқ болып кетеди.
8. Израилдың гүнасына себеп болған, Аўендеги сыйыныў орынлары жоқ қылынады. Қурбанлық орынларды жантақ ҳәм шеңгеллер басады. Сонда адамлар таўларға: «Бизлерди жерлең!» Төбешиклерге: «Үстимизге қулаң!» деп жалынады.
9. Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Израил, сен Гибада болған күннен баслап гүна иследиң, 0 Сол жерде өзгерместен қалдың. Гибадағы жынаятшыларға қарсы саўаш болмады ма?
10. Мен қәлеген ўақтымда жазаңды беремен, Саған қарсы халықларды бирлестиремен. Еки жынаятың ушын, Душпанлар саған кисен салады.
11. Эфрайым түйек айдаўды жақсы көретуғын, Үйретилген қашарға уқсайды. Бирақ мойынтырық тағаман, Эфрайымның сулыў мойнына, Эфрайымды ертлеймен. Яҳудаға қос айдатаман, Яқыпқа мала бастыраман.
12. Ҳәй, Израил, өзиңиз ушын әдиллик егиң, Сүйиспеншилик жемисин орып алың. Өзлериңиз ушын сүрилмеген жериңизди сүриң, Себеби Жаратқан Ийениң алдына келетуғын ўақтыңыз болды, Ол келген ўақытта, Үстиңизге әдалатлықты жаўындай жаўдырсын.
13. Бирақ сизлер жаўызлық егип, Әдилсизликти орып алдыңыз, Жалғанның мийўесинен жедиңиз, Өйткени тутқан өз жолыңызға сүйенип, Батыр жаўынгерлериңизге исендиңиз.
14. Соның ушын, халқыңыздың басына саўаш апаты дөнип тур, Қулайды сениң барлық қорғанларың. Шалманның саўаш күнинде Бейт-Арбелди қулатқанындай, Ҳаяллар балалары менен бирге жерге урып өлтирилди.
15. Ҳәй Бейт-Эл, жаўызлықларыңның көплиги ушын, Усы күнлер басыңа түседи. Таң атқанда, Израил патшасы набыт болады».

1. Жаратқан Ийе былай дейди: «Балалығында Израилды сүйдим, Улымды Мысырдан шақырып алдым.
2. Оларды қанша шақырсам, Меннен сонша узақласты. Қурбанлықлар берди Баалларға, Түтеткилер түтетти бутларға.
3. Эфрайымға тәй-тәй турып, жүриўди Мен үйреттим, Оны қолларымда көтерип жүрдим. Бирақ ол билмеди Мениң шыпа бергенимди.
4. Мен оны инсан жиби менен, Сүйиспеншилик арқаны менен жетеледим. Мойнынан мойынтырықты алып таслап, Оны аўқатландырыў ушын, еңкейдим.
5. Халқым тәўбе қылыўдан бас тартқаны ушын, Мысырға қайтып бармай ма? Ассирия оларға ҳүкимдарлық қылмай ма?
6. Қалаларында қылыш жалаңлайды, Дәрўазаларының тәмбилери жоқ қылынады, Қорғаны ишинде оларды қылыш жалмайды.
7. Өз халқым Меннен жүз бурыўға бейимлеседи, Баалға дад салса да, Ол оларды ҳасла жоқары көтермес.
8. Ҳәй, Эфрайым, қалай сеннен ўаз кешейин? Ҳәй Израил, қалайынша сени таслап кетейин? Адма қаласын жоқ қылғанымдай, сени жоқ қыла аламан ба? Себойымға қылғанымды саған қыла аламан ба? Бундай қылыўға жүрегим даўамас ҳасла! Саған болған меҳрим артып кетти.
9. Яқ, лаўлаған ғәзебимди басыңызға жаўдырмайман, Эфрайымды және набыт қылмайман. Өйткени Мен инсан емеспен, Қудайман, Араңызда болатуғын мухаддес Қудайман, 1 Артық алдыңызға ғәзеп пенен бармайман.
10. Арысландай ақырғанымда, халқым Жаратқан Ийениң, Мениң изимнен ереди, Мен ақырғанымда балаларым батыстан титиресип келеди.
11. Олар Мысырдан қуслардай болып, Ассириядан кептерлердей қалтырап келеди. Мен оларды үйлерине орналастыраман, Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман.
12. Эфрайым әтирапымды жалған менен, Израил Мени ҳийле менен орап таслады. Ал Яҳуда Қудай менен бирге болып, Мухаддес Қудайға садық қалды».

1. Эфрайым шөл самалын күтип турады, Күни бойы шығыс самалының изинен қуўып жүреди. Жалған ҳәм зорлықты арттырады. Ассирия менен келисим дүзип, Зәйтүн майын Мысырға жибереди.
2. Жаратқан Ийениң даўасы бар Яҳудаға, Яқыпты жүрген жолы бойынша жазалайды, Ислеген ислерин өзлерине қайтарады.
3. Яқып анасының қарнында туўысқанының табанын услаған, Үлкейгенде, Қудай менен гүрескен.
4. Периште менен гүресип, оны жеңди, Ол жылап, мийрим-шәпәәт сорады, Қудайды Бейт-Элде тапты. Сол жерде Қудай бизлер менен сөйлести.
5. Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Оның аты – Жаратқан Ийе.
6. Сонлықтан Қудайыңа қайт сен, Сүйиспеншиликти ҳәм әдилликти сақла, Ҳәмме ўақытта Қудайыңды күт.
7. Жаратқан Ийе былай дейди: «Халқым тәрезиден жейтуғын саўдагерге уқсайды, Олар урлықты жақсы көреди.
8. Эфрайым: „Мен байман, Өзиме мал-дәўлет арттырдым, Барымды маңлай терим менен таптым, Ҳеш ким мени гүнакар деп айыплай алмас“, – дейди.
9. Бирақ сени Мысырдан алып шыққан, Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан. Шөлдеги күнлериңиздегидей, Сени және шатырларға орналастыраман.
10. Мен пайғамбарларға сөйледим, Оларға көп аянлар бердим, Олар арқалы тымсаллар айттым».
11. Гиладта жаўызлық исленбеди ме? 2 Сөзсиз оның халқы ҳеш нәрсе болмай қалды. Гилгалда буғалар қурбанлық қылмады ма? Атызлар дөгерегиндеги қурбанлық орынлар, Тас үйиндилерине уқсап қалады.
12. Яқып Арам елине қашып кетти, Израил ол жерде ҳаялы ушын қул болып, Қалыңлық төлеў ушын қой бақты.
13. Жаратқан Ийе пайғамбары арқалы, Израил халқын Мысырдан алып шықты, Пайғамбар арқалы оларды қорғады.
14. Бирақ Эфрайым қатты ғәзеплендирди Қудайды, Эфрайымнан есабын талап қылады төккен қаны ушын, Оны мазақ қылғаны ушын ылайықлы жазасын қайтарады.

1. Жаратқан Ийе былай дейди: «Бурын Эфрайым сөйлегенде, ҳәмме титирейтуғын еди, Израилда оның мәртебеси уллы еди. Бирақ Эфрайым Баалға табынып, гүна арттырды, Усылай етип, өзин өлимге тапсырды.
2. Ҳәзир де халқым гүна үстине гүна ислеп атыр, Гүмислеринен қуйма бутлар, Шеберлик пенен мүсинлер соғып атыр. Булардың ҳәммесин өнермент қолдан ислер. Бундай адамлар ҳаққында бир сөз бар: „Бутқа қурбанлық қылған – тананы сүйген болады“.
3. Соның ушын, олар таңғы думандай болады, Бир майданда жоқ болатуғын шыққа уқсайды. Самал ушырған қырмандағы қаўықтай жоқ болады, Морыдан шыққан түтинге уқсап қалады.
4. Бирақ Мысырдан сени алып шыққан, Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан. Меннен басқа Қудайды билмеўиңиз керек, Меннен басқа жоқдур сениң қутқарыўшың.
5. Мен сени шөлде, Суўсыз қурғақшылықта бақтым.
6. Отлы жайлаўда олар тойды, Қарны тойғаннан кейин, менмен болды. Сол себепли сен Мени умыттың.
7. Мен олардың жолын арыслан сыяқлы аңлыйман, Қаплан сыяқлы, буққыда жатаман.
8. Балаларынан айырылған айыў сыяқлы тасланаман, Жүреклерин жаўып турған көкиреклерин тилкимлеп таслайман. Сол жерде арыслан сыяқлы оларды жалмайман, Жыртқыш ҳайўан киби майдалап таслайман.
9. Ҳәй, Израил, Мен сени қуртаман, Саған ким жәрдем бере алады?
10. Барлық қалаларыңды қутқаратуғын патшаң қәне? „Бизлерге патша ҳәм басшы бер“, – деп сораған бийлериң қәне?
11. Мен ашыўланып, саған патша бердим, Ғәзепке мингенимде, оны алып тасладым.
12. Эфрайымның жынаяты жыйналып тур, Оның гүнасы сақланып тур.
13. Толғақ тутқан ананың азабы оған түседи, Бирақ бала ақылсыз болып, Ўақты болғанда да, қарыннан шықпады.
14. Бул халықты өлилер мәканының күшинен қутқарар ма едим? Оларға әменгерлик қылар ма едим? Ҳәй өлим, уўлы ийнеңди шығар! Ҳәй өлилер мәканы, апат күшиңди көрсет! Енди Мен реҳим қылмайман».
15. Эфрайым туўысқанлары арасында көп өсип-өнсе де, Жаратқан Ийе оның үстине шығыс самалын, Шөлден есетуғын самал жибереди, Оның булағы қурыйды, Қудығының суўы тартылып қалады. Ғәзийнесиндеги баҳалы затлары тоналады.

1. Самария өз Қудайына қарсы бас көтерди, Енди олар гүнасының жазасын тартып, қылыштан өледи. Душпанлар жерге урып өлтиреди бөпелерин, Жүкли ҳаялларының қарынларын жарады.
2. Қудайың Жаратқан Ийеге қайт, ҳәй Израил, Өйткени гүнаң себепли қуладың.
3. Тәўбе етип, Жаратқан Ийеге қайт, Оған айт: «Барлық гүналарымызды кешир, Дуўамызды қабыл ет. Буғаларды қурбанлық қылғандай, Саған алғыс-мақтаў усынамыз.
4. Ассирия бизлерди қутқара алмайды, Минбеймиз саўаш атларына. Енди қолдан соғылған бутларды „қудайымыз“, демеймиз. Себеби жетим Сеннен реҳим табады».
5. Жаратқан Ийе былай дейди: «Шыпа берип халқыма, опасызлықтан қайтараман, Сүйемен шын кеўилден оларды. Себеби оларға деген ғәзебим қайтты.
6. Шық сыяқлы боламан Израилға, Сонда Израил лала гүлдей ашылады, Лебанон кедри сыяқлы тамыр жаяды.
7. Олардың шақалары жайылып, Зәйтүн ағашындай көркем болады. Лебанондағы кедр ағашындай хош ийис таратады.
8. Олардың саясында және халықлар жасайды, Олар мол бийдай жетистирип, жүзимдей гүллейди. Лебанон шарабындай белгили болады».
9. «Эфрайым былай десин: „Бутлар маған керек емес! Қудайдың даўысына қулақ саламан, Нәзеримди Оған қаратаман, Мен жасыл сәрўи ағашындай боламан“. Мен сен алған мол зүрәәтиңниң булағыман».
10. Ким дана болса, усы жазылған сөзлерди түсинеди, Ким ақыл-парасатлы болса, булардың барлығын аңлайды. Жаратқан Ийениң жоллары туўры, Бул жолдан жүреди ҳақ адамлар, Бирақ гүнакарлар бул жолларда сүрнигип жығылады.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Рут
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Бийлер
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)