Мухаддес Китап
Лебийлилер
1. Жаратқан Ийе Муўсаны шақырып алып, Ушырасыў шатырынан оған былай деди:
2. – Сен Израил халқына жәриялап мыналарды айт: «Араңыздағы бириңиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бермекши болса, ол ири ямаса майда мал усынсын.
3. Егер ири малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз ҳәм еркек мал усынсын. Жаратқан Ийениң бул қурбанлықты қабыл етиўи ушын, қурбанлықты Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
4. Сол адам қурбанлық малдың басына қолын қойсын. Сонда қурбанлық адамның гүналарының жуўылыўы ушын қабыл етиледи.
5. Кейин ол буғаны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер буғаның қанын алып келип, қанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
6. Соңынан қурбанлық берип атырған адам жандырылатуғын қурбанлықтың терисин сыйырып алып, оны жиликлеп бөлсин.
7. Ал руўханий Харонның уллары қурбанлық орында от жағып, үстине отын қаласын.
8. Кейин малдың жиликлерин, басын ҳәм иш майларын сол оттың үстине жайластырсын.
9. Малдың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
10. Егер майда малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз болған еркек тоқлы ямаса теке усынсын.
11. Оны қурбанлық орынның арқа тәрепинде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
12. Адам қурбанлықты жиликлеп, басын ҳәм иш майларын айырып алсын. Руўханий оларды қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине жайластырсын.
13. Қурбанлықтың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
14. Егер ким де ким жандырылатуғын қурбанлық етип Жаратқан Ийеге қус бермекши болса, онда ол қумыры ямаса жас кептер усынсын.
15. Руўханий оны қурбанлық орынға әкелип, басын үзип алсын ҳәм басын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Ал қустың қанын қурбанлық орынның қапталына сығып, ағызсын.
16. Руўханий қустың жемсегин ишиндеги нәрселери менен бирге шығарып, қурбанлық орынның шығыс тәрепиндеги күл төгилетуғын жерге тасласын.
17. Соң қустың қанатларынан услап, қусты қақ айырсын, бирақ оны екиге бөлип тасламасын. Кейин қусты қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине қойып түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».

1. «Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арнап ғәлле садақасын бермекши болса, сапалы бийдай унынан алып келсин. Оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр қоссын ҳәм
2. садақаны Харонның уллары болған руўханийлерге апарсын. Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың барлығын алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
3. Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
4. Егер тандырда жабылған нанды ғәлле садақасы етип бермекши болсаңыз, онда сапалы уннан зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ямаса үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер әкелиўиңиз тийис.
5. Егер табада писирилген нанды садақа қылмақшы болсаңыз, онда оған ашытқы салмай, сапалы унға зәйтүн майын қосып ийлеп, писириң.
6. Оны усынған ўақтыңызда, бөлеклерге бөлиўиңиз ҳәм үстине зәйтүн майын қуйыўыңыз керек. Бул – ғәлле садақасы.
7. Егер садақаң қазанда писирилген болса, онда ол зәйтүн майы қосылған сапалы уннан таярланыўы тийис.
8. Усы тақылетте таярланған ғәлле садақасын Жаратқан Ийеге бериў ушын, руўханийге әкелиўиңиз керек. Ал руўханий оны қурбанлық орынға алып барады.
9. Кейин руўханий толық садақаның белгиси ретинде ғәлле садақаларынан бир бөлек алып, оны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын.
10. Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
11. Жаратқан Ийеге усынатуғын ғәлле садақаңыздың ҳеш бирине ашытқы салмаңлар. Өйткени ашытқыны да, палды да Жаратқан Ийеге сый қылып, түтетип жандырмаўыңыз керек.
12. Ашытқы салынған нан менен палды биринши зүрәәтиңиз сыпатында Жаратқан Ийеге усыныўыңызға болады. Бирақ олар Жаратқан Ийеге хош ийисли садақа ретинде қурбанлық орында усынылмаўы керек.
13. Ғәлле садақаңыздың ҳәр бирине дуз қосыңлар. Дуз Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин билдиретуғын болғанлықтан, садақаларыңыз дузсыз болмасын.
14. Егер Жаратқан Ийеге дәслепки өнимнен ғәлле садақасын бермекши болсаңыз, онда дәслепки шыққан дәнди қуўырып, оны түйип алып келиң.
15. Бул ғәлле садақасы болғаны ушын, оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр қосың.
16. Руўханий бираз түйилген дән менен зәйтүн майынан алып, оларға хош ийисли шайырдың ҳәммесин қосып, толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге арналған сый».

1. «Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын ири мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге арнап минсиз еркек ямаса урғашы мал усынсын.
2. Ол адам қолын қурбанлықтың басына қойып, оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
3. Сол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: малдың ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
4. еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын.
5. Харонның уллары буларды қурбанлық орында жанып турған отынның үстине қойып, жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
6. Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын майда мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге минсиз еркек ямаса урғашы жанлық усынсын.
7. Егер қой бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усыныўы тийис.
8. Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын. Кейин оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары қойдың қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
9. Ол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: жанлықтың майларын, яғный қуйымшақтың түбинен кесип алынған пүткил қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
10. еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын.
11. Руўханий буларды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген сый.
12. Егер ол ешки бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усынсын.
13. Адам қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары ешкиниң қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
14. Ол адам ешкиниң мына нәрселерин алып, Жаратқан Ийеге сый қылып усынсын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
15. еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын.
16. Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген хош ийисли сый. Майдың ҳәммеси Оған тийисли.
17. Малдың майын жемеңлер, оның гөшин де қаны менен жемеңлер. Бул өзлериңиз жасаған ҳәмме жерде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын».

1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким Мен буйрықларымда қадаған қылған бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, төменде көрсетилгенлерге әмел қылсын:
3. Егер бас руўханий гүна ислеп, халқын айыпкер қылса, ислеген гүнасы ушын Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы етип минсиз бир буға усынсын.
4. Ол буғаны Ушырасыў шатырының алдына, Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Соңынан қолын буғаның басына қойсын ҳәм Жаратқан Ийениң алдында оны шалсын.
5. Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин.
6. Ол бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин.
7. Соңынан ол шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы хош ийисли түтетки түтетилетуғын орынның шақларына қанды сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин.
8. Кейин гүна ушын берилген буғаның пүткил майын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
9. еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын
10. татыўлық қурбанлығы сыпатында берилген малдың майын айырғандай, айырып алсын. Бас руўханий оларды жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын орынның үстинде түтетип жандырсын.
11. Ал буғаның қалған бөлеклерин: терисин, гөшин, геллесин, туяқларын ҳәм ишек-қарны менен дәрислерин
12. орданың сыртындағы күл төгилетуғын таза жерге апарып, оларды отынның үстине қойып, жағып жиберсин.
13. Егер пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, олар бәри бир айыплы саналады.
14. Ислеген гүнасы белгили болғанда, олар жәмийет атынан гүна қурбанлығы етип бир буға усынып, оны Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
15. Жәмийет ақсақаллары Жаратқан Ийениң алдында қолларын буғаның басына қойып, оны Жаратқан Ийениң алдында шалсын.
16. Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин.
17. Руўханий бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин.
18. Соңынан руўханий қанды шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орынның шақларына сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин.
19. Буғаның пүткил майын алып, оны қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын.
20. Руўханий өз гүнасы ушын берген буғаға не ислеген болса, бул буғаға да соны ислесин. Усылайынша руўханий жәмийетти гүнадан тазалайды ҳәм олардың гүналары кешириледи.
21. Алдынғы буғаны қалай жандырған болса, бул буғаны да орданың сыртына алып шығып, жағып жиберсин. Бул – жәмийеттиң гүнасы ушын қурбанлық болады.
22. Егер басшылардың бири Қудайы болған Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады.
23. Ислеген гүнасы өзине әшкара етилген ўақытта, ол қурбанлыққа минсиз бир теке алып келсин.
24. Кейин ол қолын текениң басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Бул – гүна қурбанлығы.
25. Руўханий бармағын гүна қурбанлығының қанына батырып, қанды жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды орынның түбине төксин.
26. Кейин текениң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол көсемди гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
27. Егер халық арасынан биреў Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады.
28. Ислеген гүнасы өзине әшкара болғанда, ол гүнасы ушын қурбанлыққа минсиз бир ешки әкелсин.
29. Соң ол қолын гүна ушын берилген қурбанлықтың басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалсын.
30. Руўханий қурбанлықтың қанына бармағын батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин.
31. Қурбанлық берген адам ешкиниң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы айырып алсын. Руўханий майды Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
32. Егер биреў гүна қурбанлығы ушын қой бермекши болса, қой минсиз болсын.
33. Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде шалсын.
34. Кейин руўханий бармағын шалынған қойдың қанына батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Ал аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин.
35. Татыўлық қурбанлығы ушын берилген қой сыяқлы, адам бул қурбанлықтың да пүткил майын айырып алсын. Руўханий оны қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Усылайынша, руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи».

1. «Егер ким де ким көрген-билгенлери ҳаққында гүўалық бериўге шақырылса, бирақ ол буннан бас тартса, онда ол өз айыбының жазасын тартады.
2. Ким де ким билмей, ҳарам саналған бир нәрсеге: жабайы я үй ҳайўанының ямаса жер баўырлаўшы бир ҳайўанның өлигине бир жерин тийгизип алса, ол ҳарамланған болып, айыплы саналады.
3. Биреў билмей, адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсеге бир жерин тийгизсе, кейин не ислегенин түсинген ўақытта, ол айыплы саналады.
4. Егер ким де ким қандай да бир исти ислеймен деп, ойланбастан ант ишип, оны орынламай қалса, онда ол айыплы саналады.
5. Егер ким де ким усы айтылған ислердиң биреўинде айыплы болса, ислеген гүнасын ашық мойынласын.
6. Ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын берсин. Бул қурбанлық майда малдан бир қой ямаса бир ешки болсын. Сонда руўханий адамды гүнасынан тазалайды.
7. Егер адамның қой әкелиўге жағдайы болмаса, онда ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Олардың бири гүна қурбанлығы ушын, ал екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын бериледи.
8. Оларды руўханийге алып келсин. Руўханий дәслеп гүна қурбанлығын берип, қустың мойнын сындырсын, бирақ оның басын жулып тасламасын.
9. Кейин қустың қанының биразын қурбанлық орынның қапталына серпип, аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. Бул – гүна қурбанлығы.
10. Соннан соң, руўханий екинши қусты жандырылатуғын қурбанлық етип, қағыйда бойынша берсин. Усылайынша руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
11. Егер адамның еки қумыры ямаса еки кептер әкелиўге жағдайы келмесе, онда ол ислеген гүнасы ушын эфаның* оннан бир мөлшериндеги сапалы бийдай унынан әкелсин. Ол унның үстине зәйтүн майын қуймасын ҳәм хош ийисли шайыр да қоспасын. Себеби бул – гүна қурбанлығы.
12. Адам унды руўханийге алып келсин. Руўханий толық садақаның белгиси ретинде уннан бир уўыс алып, оны қурбанлық орында, Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Бул – гүна қурбанлығы.
13. Солай етип, руўханий жоқарыда айтылған гүналардың бирин ислеген адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи. Ғәлле садақасы сыяқлы, садақаның жандырылмаған бөлеги руўханийге тийисли болады».
14. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
15. – Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арналып, мухаддесленген нәрселерди былғап, билмей гүна ислесе, ол айып қурбанлығы сыпатында Жаратқан Ийеге майда малдан бир минсиз қошқар усынсын. Қошқардың қуны шекел аўырлығындағы гүмис пенен, Мухаддес орын өлшеми менен баҳалансын.
16. Адам мухаддес нәрсеге келтирген зыянының қунын төлеп, және сол қунның үстине бестен бирин қосып, руўханийге берсин. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген қошқар менен сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
17. Егер ким де ким Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, гүна қылса, ол билмей ислесе де, өз айыбының жазасын тартады.
18. Ол руўханийге айып қурбанлығы сыпатында майда малдан бир қошқар усынсын. Қошқар минсиз ҳәм қуны белгиленген болыўы тийис. Руўханий адамды билмей ислеген гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
19. Бул – айып қурбанлығы, өйткени адам Жаратқан Ийеге қарсы айып ислеген еди.

2. – Егер ким де ким өзине аманат етилген, өзине тапсырылған ямаса урланған бир мал-мүлик туўрысында жақынын алдаса, я оны наҳақлық пенен қолға киргизсе ямаса жойтылған бир нәрсени таўып алып, оны жасырса, усындай ямаса усыған уқсайтуғын гүналардың бирин ислеп, оны ислемедим деп жалған ант ишсе, ол Жаратқан Ийениң алдында айып ис қылған болады
3. .
4. Адам усылардың бирин ислеп, гүна қылғанда, ол ҳәр қандай наҳақ жол менен қолға киргизген затты ийесине қайтарып берсин. Ол айыбы ашылған күни затлардың үстине бестен бирин қосып ийесине толығы менен қайтарып берсин
5. .
6. Соңынан Жаратқан Ийеге айып қурбанлығы етип усыныў ушын, қуны белгиленген ҳәм минсиз болған қошқарды руўханийге әкелсин.
7. Сонда руўханий Жаратқан Ийениң алдында оны гүнасынан тазалайды ҳәм оның ислеген айыбы қандай болса да, ол кешириледи.
8. Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
9. – Харон ҳәм оның улларына мынадай деп буйыр: «Күнделикли жандырылатуғын қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: жандырылатуғын қурбанлық қурбанлық орынның үстинде түн бойы, азанға дейин қалыўы керек. Қурбанлық орынның үстиндеги от сөнбесин.
10. Азанда руўханий зығырдан исленген кийими менен диз кийимин кийип алсын. Кейин ол қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықтан қалған күлди жыйнап, қурбанлық орынның жанына қойсын.
11. Соңынан руўханий сол кийимлерин шешип, әдеттеги кийимлерин кийсин ҳәм күлди орданың сыртындағы таза жерге апарып тасласын.
12. Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын. Руўханий ҳәр күни азанда отқа отын салып, жандырылатуғын қурбанлықтың бөлеклерин оның үстине қойсын. Кейин татыўлық қурбанлықларының майын оның үстинде түтетип жандырсын.
13. Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын».
14. «Ғәлле садақасын бериў қағыйдасы мынадай: Харонның уллары ғәлле садақасын қурбанлық орынның алдына әкелип, Жаратқан Ийеге усынсын.
15. Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың ҳәммесин алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – толық садақаның белгиси ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
16. Садақаның жандырылмаған бөлегин Харон ҳәм оның уллары жесин. Оннан ашытқысыз нан жаўып, мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин.
17. Оған ашытқы қосылмасын. Мен буны Өз сыйларымнан руўханийлердиң пайы қылып бердим. Бул – айып қурбанлығы ҳәм гүна қурбанлығы сыяқлы жүдә мухаддес.
18. Харон әўладынан болған ҳәр бир ер адам оннан жеўине болады. Бул Жаратқан Ийеге арналған сыйлардан әўладлар даўамында мәңгиге олардың пайы болады. Қурбанлықларға тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады».
19. Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди:
20. – Харон ҳәм оның урпағынан бири бас руўханийликке майланып, тайынланған күннен баслап, оның беретуғын садақасы мынадай болсын: ол оннан бир эфа сапалы унның ярымын азанда, ал қалған ярымын кеште ғәлле садақасы етип берсин. Ол бул садақаны ҳәр күни берип турыўы тийис.
21. Сол унға зәйтүн майы қосып ийленип, табада писирилсин. Бул ғәлле садақасын бөлеклеп сындырып, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып усынсын.
22. Буны Харон әўладынан болған бас руўханий Жаратқан Ийеге усынсын. Бул мәңгиге Жаратқан Ийениң пайы болады. Усы садақа толығы менен түтетип жандырылыўы тийис.
23. Бас руўханийдиң берген ҳәр бир ғәлле садақасы толығы менен жандырып жиберилсин, оны жеўге болмайды.
24. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
25. – Харон ҳәм оның улларына былай деп айт: «Гүна қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: гүна қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалынсын. Ол – жүдә мухаддес.
26. Гүна қурбанлығын усыныўды орынлайтуғын руўханий оның гөшин мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин.
27. Қурбанлықтың гөшине тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады. Оның қаны кимниң кийимине шашыраса, кийим мухаддес жерде жуўылсын.
28. Қурбанлықтың гөши писирилген ылай ыдыс сындырып тасланыўы керек. Егер гөш қола ыдыста писирилген болса, ыдыс ысқылап тазаланып, суў менен жуўылсын.
29. Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам гүна қурбанлығының гөшинен жеўине болады. Бул қурбанлық жүдә мухаддес.
30. Бирақ гүна қурбанлығының қаны Ушырасыў шатырының ишине, гүнадан тазалаў ушын Мухаддес бөлмеге алып кирилсе, бундай қурбанлықтың гөшин жеўге болмайды. Ол толығы менен отқа жандырып жиберилиўи тийис».

1. «Айып қурбанлығы жүдә мухаддес. Бул қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай:
2. айып қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалынсын ҳәм оның қаны қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберилсин.
3. Малдың пүткил майын: қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын,
4. еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын ажыратып алсын.
5. Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде Жаратқан Ийеге сый қылып түтетип жандырсын. Бул – айып қурбанлығы.
6. Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам бул қурбанлықтан жеўине болады. Қурбанлық жүдә мухаддес болғанлықтан, мухаддес жерде желиниўи тийис.
7. Айып ҳәм гүна қурбанлықлары ушын бирдей қағыйда қолланылады. Қурбанлықтың гөши гүнадан тазалаў рәсимин өткерген руўханийге тийисли.
8. Жандырылатуғын қурбанлықтың териси де қурбанлықты усынған руўханийге тийисли.
9. Тандырда жабылған, қазанда ямаса табада писирилген ҳәр қандай ғәлле садақасы да оны усынған руўханийге тийисли болады.
10. Зәйтүн майы қосылған ямаса қурғақ ғәлле садақасы да Харонның улларына тийисли. Олар оны өз ара тең бөлисип алсын».
11. «Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай:
12. егер ким де ким Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын қурбанлық бермекши болса, қурбанлыққа қоса зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер ҳәм сапалы уннан зәйтүн майына қарылған ашытқысыз шөреклерди берсин.
13. Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын, татыўлық қурбанлығын ашытқы салынған шөреклер менен бирликте берсин.
14. Усы ғәлле садақасының ҳәр биринен бир дана наннан ажыратып, Жаратқан Ийеге усынсын. Бул нанлар татыўлық қурбанлығының қанын қурбанлық орынға серпкен руўханийге тийисли болады.
15. Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын берилген татыўлық қурбанлығының гөши қурбанлық берилген күни желинсин, ол азанға дейин қалдырылмасын.
16. Егер ким де ким ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса ықтыярлы қурбанлық бермекши болса, қурбанлықтың гөши берилген күни желинсин. Егер аўысып қалса, ертеңине желинсе де болады.
17. Бирақ үшинши күни қурбанлықтың қалған гөши отқа жағып жиберилиўи тийис.
18. Егер татыўлық қурбанлығының гөши үшинши күни желинсе, сол адамның усынған қурбанлығы қабыл етилмейди ҳәм есапқа алынбайды. Өйткени гөш ҳарам саналады ҳәм оны жеген ҳәр бир адам айыплы саналып, жазаға тартылады.
19. Ҳәр қандай ҳарам нәрсеге тийип кеткен қурбанлық гөшин жеўге болмайды. Ондай гөшти жағып жибериў керек. Ал ҳарамланбаған гөштен пәк деп саналған ҳәр бир адамның жеўине болады.
20. Бирақ егер бир адам ҳарам бола тура, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығын жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын.
21. Және де, ким де ким ҳарам саналған бир нәрсеге, адамнан шыққан ҳарамлайтуғын нәрсеге ямаса ҳарам ҳайўанға бир жерин тийгизип, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығының гөшинен жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын».
22. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23. – Израил халқына былай деп айт: «Мал, қой ҳәм ешкиниң ишки майын ҳасла жемеңлер.
24. Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен таланып тасланған ҳайўанның майын ҳәр қандай мүтәжликлериңизге ислетсеңиз болады, бирақ оны ҳеш қашан жемеңлер.
25. Ким де ким Жаратқан Ийеге сый қылып берилген маллардың бириниң майын жесе, ол өз халқы арасынан жоқ қылынсын.
26. Қай жерде жасасаңыз да, ҳеш қандай қус ямаса ҳайўанның гөшин қаны менен жемеңлер.
27. Қан жеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылынсын».
28. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
29. – Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким татыўлық қурбанлығын бермекши болса, ол қурбанлықтың бир бөлегин Жаратқан Ийеге сый етип берсин.
30. Сол адам қурбанлықтан сый етип берип атырған майды ҳәм төсти өз қолы менен әкелсин ҳәм төсти Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
31. Руўханий майды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын, бирақ төс Харон ҳәм оның улларына тийисли.
32. Татыўлық қурбанлығының оң санын сый ретинде руўханийге бериң.
33. Харонның улларынан қайсы бири усы татыўлық қурбанлығының қанын ҳәм майын усынса, оң сан соның пайы болады.
34. Себеби Мен Израил халқының татыўлық қурбанлықларының усы төсин ҳәм сан жилигин алып, буларды Израил халқынан мәңгиге берилген пай сыпатында руўханий Харонға ҳәм оның улларына бердим».
35. Харон ҳәм оның уллары руўханий болып тайынланған күннен баслап, олардың пайына Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан усылар тийди.
36. Харон ҳәм оның уллары майланып, хызметке тайынланған күнинен баслап, Жаратқан Ийе Израил халқына усы жиликлерди оларға бериўин буйырды. Бул әўладлар бойы олардың мәңги пайы болады.
37. Мине, жандырылатуғын қурбанлық, ғәлле садақасы, айып қурбанлығы, гүна қурбанлығы, хызметке тайынлаў рәсими ҳәм татыўлық қурбанлығы туўралы қағыйдалар усылардан ибарат.
38. Израил халқы Синай шөлинде болған ўақытта, Жаратқан Ийе усы қурбанлықларды усынып баслаўды Синай таўында Муўсаға буйырған еди.

2. – Харон ҳәм оның улларын, олар менен бирге руўханийлик кийимлерин, майлаў ушын арналған зәйтүн майын, гүна қурбанлығы ушын берилетуғын буғаны, еки қошқарды ҳәм бир себет ашытқысыз нанларды алып кел.
3. Кейин пүткил жәмийетти Ушырасыў шатырының алдына жыйна.
4. Муўса Жаратқан Ийениң буйрығын орынлады. Ҳәмме Ушырасыў шатырының алдына жыйналғанда,
5. Муўса жәмийетке: – Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң буйрығын әмелге асыраман, – деди де,
6. Харон ҳәм оның улларын алдыға шығарып, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткизди.
7. Соннан кейин, Харонға узын көйлек кийгизип, белине белбеў байлады ҳәм оның сыртынан баҳалы руўханийлик кийим кийгизди. Оның үстине эфодты тағып, белбеўи менен буўды.
8. Көксине қалталы өңиршени тақты. Өңиршениң ишине Урим ҳәм Туммимди* салды.
9. Харонның басына сәлле орап, сәллениң алды бетине мухаддес алтын тажды қойды. Муўса ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
10. Соңынан Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын алып, Мухаддес шатырды ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсени майлап, мухаддес қылды.
11. Қурбанлық орынның үстине майдан жети рет серпти. Және де, орынның барлық буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына май серпип, оларды мухаддес қылды.
12. Харонды мухаддес қылып бағышлаў ушын, басына зәйтүн майын қуйып, оны майлаў рәсиминен өткизди.
13. Соннан соң, Харонның улларын алдыға шығарды. Оларға узын көйлеклер кийдирип, беллерине белбеў байлады ҳәм басларына кишигирим сәлле орады. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
14. Кейин Муўса гүна қурбанлығы етип берилетуғын буғаны әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын буғаның басына қойды.
15. Муўса буғаны шалды. Қурбанлық орынды тазалаў ушын, қанды бармағы менен орынның шақларына сүртип шықты. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. Усылайынша ол қурбанлық орынды гүналардан тазалаў рәсими өткерилетуғын ҳалға таярлап, оны мухаддес қылды.
16. Муўса малдың иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм бөтеке майларын алып, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
17. Ал буғаның қалған бөлеклерин – терисин, гөшин ҳәм дәрислерин орданың сыртында жағып жиберди. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
18. Кейин Муўса жандырылатуғын қурбанлыққа бир қошқарды әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды.
19. Муўса қошқарды шалып, оның қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
20. Қошқарды жиликлерге бөлип, жиликлерин, геллесин ҳәм майын түтетип жандырды.
21. Ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. Бул жандырылатуғын қурбанлық – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
22. Буннан соң, Муўса Харон ҳәм оның улларының бағышланыўына арналған қурбанлық ушын берилетуғын қошқарды алып келди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды.
23. Муўса қошқарды шалып, оның қанын алды. Қанды Харонның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүртти.
24. Соңынан Харонның улларын алдыға шығарды. Олардың да оң қулағының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына қан сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
25. Муўса малдың майын, яғный қуйрық майын, иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын алды.
26. Кейин Жаратқан Ийениң алдындағы ашытқысыз нан салынған себеттен бир шөрек, зәйтүн майы қосылған шөрек ҳәм бир пәтир алып, малдың майы менен оң санының үстине қойды.
27. Муўса булардың ҳәммесин Харон ҳәм оның улларының қолларына берди. Олар буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.
28. Кейин Муўса буларды олардың қолларынан алып, қурбанлық орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырды. Булар – бағышланыў қурбанлығы, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
29. Соң Муўса төсти алып, оны Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. Бағышланыў қурбанлығы ушын берилген қошқардан Муўсаның пайына усы төс тийди. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
30. Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын ҳәм қурбанлық орындағы қанды алып, Харон менен оның улларының үстине ҳәм олардың кийимлерине серпти. Усылайынша, Муўса Харонды, оның улларын ҳәм олардың кийимлерин мухаддес қылды.
31. Соң Муўса Харон ҳәм оның улларына: – Гөшти Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында писириңлер. Оны бағышланыў садақалары салынған себеттеги нан менен бирге сол жерде жеңлер. Маған: «Буны Харон ҳәм оның уллары жесин», – деп буйырылған.
32. Гөш пенен наннан аўысып қалғанын жағып жибериңлер.
33. Бағышланыў күнлериңиз тамам болғанша, жети күн даўамында Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер. Себеби бағышланыў күнлериңиз жети күн даўам етиўи тийис.
34. Бүгинги исленген рәсимди Жаратқан Ийе сизлердиң гүналарыңыздың тазаланыўы ушын буйырған еди.
35. Жети күн даўамында күни-түни Ушырасыў шатырының алдында тайын болып, Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўыңыз тийис. Болмаса, өлип қаласызлар. Маған усылай буйрық берилген, – деди.
36. Солай етип, Харон ҳәм оның уллары Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген барлық буйрықларын орынлады.

1. Сегизинши күни Муўса Харонды, оның улларын ҳәм Израилдың ақсақалларын шақырды.
2. Сонда Муўса Харонға былай деди: – Гүна қурбанлығы ушын минсиз бир тана, жандырылатуғын қурбанлық ушын минсиз бир қошқар алып, оларды Жаратқан Ийеге усын.
3. Соңынан Израил халқына айт, олар да гүна қурбанлығы ушын бир теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз тана менен бир жасар минсиз тоқлы әкелсин.
4. Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлығы ушын бир буға ҳәм бир қошқар алып, буған қоса зәйтүн майы менен араластырылған ғәлле садақасын усынсын. Өйткени бүгин оларға Жаратқан Ийе көринеди.
5. Олар Муўсаның буйырғанларының ҳәммесин Ушырасыў шатырының алдына алып келди. Ҳәмме жақын келип, Жаратқан Ийениң алдында турды.
6. Сонда Муўса оларға: – Жаратқан Ийениң салтанаты сизлерге көриниўи ушын, Ол сизлерге мыналарды ислеўди буйырмақта, – деп,
7. Харонға былай деди: – Қурбанлық орынға жақынлап, гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлығыңды бер. Усылай етип, өзиңди де, халқыңды да гүналардан тазала. Соннан кейин, Жаратқан Ийе буйырғанындай, халқыңның қурбанлығын берип, оларды гүналардан тазала.
8. Солай етип, Харон қурбанлық орынға жақынласып, өзи ушын гүна қурбанлығына алып келген тананы шалды.
9. Уллары оған тананың қанын алып келди. Харон бармағын қанға батырып, қурбанлық орынның шақларына сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти.
10. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, ол гүна қурбанлығының майын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын қурбанлық орында түтетип жандырды.
11. Ал тананың гөши менен терисин орданың сыртында жағып жиберди.
12. Кейин Харон жандырылатуғын қурбанлықты шалды. Оның уллары қурбанлықтың қанын оған берди ҳәм ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
13. Соңынан уллары оған жандырылатуғын қурбанлықтың барлық жиликлерин ҳәм басын әкелип берди. Харон ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
14. Ал қурбанлықтың ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып түтетип жандырды.
15. Буннан соң, Харон халықтың қурбанлығын алып келди. Халықтың гүналары ушын берилген текени шалды ҳәм биринши қурбанлық сыяқлы буны да гүна қурбанлығы сыпатында усынды.
16. Харон жандырылатуғын қурбанлықты да қағыйдаға сай тәризде берди.
17. Соңынан ол ғәлле садақасын берди. Оннан бир уўыс алып, оны азанда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлыққа қоса қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
18. Харон халықтың татыўлық қурбанлығы ушын алып келген буғасы менен қошқарын да шалды. Уллары қурбанлықлардың қанын оған әкелип берди. Ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
19. Харонның уллары буға менен қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишек-қарынларындағы майларын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын
20. төслердиң үстине қойды. Харон усы майлы бөлеклерди алып, қурбанлық орында түтетип жандырды.
21. Соннан кейин, Муўсаның буйырғанындай, ол төслерди ҳәм оң санды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.
22. Харон гүна, жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан соң, қолларын жайып, халыққа пәтия берди. Соннан соң, ол төменге түсти.
23. Муўса менен Харон Ушырасыў шатырына кирди ҳәм олар сыртқа шыққаннан соң, халыққа пәтиясын берди. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты пүткил халыққа көринди
24. ҳәм Жаратқан Ийениң оты пайда болып, қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм майларды жандырып жиберди. Буны көрген пүткил халық шадланып бақырысып, ет бетинен жерге жығылды.

1. Харонның уллары Надаб ҳәм Абиҳу түтетки түтетилетуғын ыдысларын алып, ишлерине шоқ, шоқтың үстине түтетки салды. Олар Жаратқан Ийе усыныўды буйырмаған отты Оның алдына алып келди.
2. Жаратқан Ийениң оты пайда болды. От оларды күйдирип жиберди ҳәм олар Жаратқан Ийениң алдында өлип қалды.
3. Сонда Муўса Харонға былай деди: – Жаратқан Ийениң: «Маған хызмет еткенлерге мухаддеслигимди көрсетемен, Пүткил халық алдында салтанатымды ашаман», – деп айтқаны усы еди. Харон үндемеди.
4. Муўса Харонның әкесиниң иниси Уззиелдиң уллары Мишаел ҳәм Элсафанды шақырып алып, оларға: – Берман келиңлер, туўысқанларыңыздың өли денесин Мухаддес шатырдың алдынан орданың сыртына алып шығыңлар, – деди.
5. Олар келди де, Муўсаның буйырғанындай, туўысқанларының денелерин кийимлеринен услап, орданың сыртына алып шықты.
6. Буннан соң, Муўса Харонға ҳәм оның уллары Элазар менен Итамарға былай деди: – Аза тутып, шашларыңызды жаймаңлар ҳәм кийимлериңизди жыртпаңлар. Олай ислесеңиз, өлесизлер ҳәм Жаратқан Ийе пүткил халыққа қәҳәрленеди. Бирақ туўысқанларыңыз болған пүткил Израил халқы Жаратқан Ийе тәрепинен от пенен жоқ қылынғанлар ушын аза тутыўы мүмкин.
7. Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Өйткени сизлер Жаратқан Ийениң майлайтуғын майы менен Оған бағышландыңыз. Харон ҳәм оның уллары Муўсаның айтқанына бойсынды.
8. Жаратқан Ийе Харонға былай деди:
9. – Өзиң де, улларың да Ушырасыў шатырына шарап ямаса басқа өткир ишимликлер ишип кирмеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Бул әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
10. Сизлер мухаддес нәрсени әпиўайы нәрседен, ҳарам нәрсени ҳадал нәрседен айыра алыўыңыз шәрт.
11. Мениң Муўса арқалы Израил халқына берген барлық қағыйдаларымды оларға үйретиўиңиз тийис.
12. Муўса Харонға ҳәм оның қалған уллары Элазар менен Итамарға былай деди: – Жаратқан Ийеге берилген ғәлле садақасының жандырылмаған бөлегин алып, оннан ашытқысыз нан жаўып қурбанлық орынның қасында жеңлер. Себеби бул – жүдә мухаддес.
13. Оны мухаддес жерде жеңлер. Өйткени Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан сениң ҳәм улларыңның пайы усы болады. Маған усындай буйрық берилди.
14. Ал жоқары көтерип усынылған төс пенен бағышлап усынылған санды улларың ҳәм қызларың менен бирге таза жерде жеңлер. Өйткени бул Израил халқының берген татыўлық қурбанлықларынан сениң ҳәм балаларыңның пайы етип, усылар берилди.
15. Израил халқы сый қылып берген май менен бирге қурбанлықтың сан ҳәм төсин әкелсин. Олар төс ҳәм санды Жаратқан Ийеге бағышлап, жоқары көтерип усынғаннан кейин, булар саған ҳәм сениң улларыңа бериледи. Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, булар мәңгиге сениң ҳәм балаларыңның пайы болады.
16. Муўса гүна қурбанлығы ушын берилетуғын текени сорастырғанда, оның жандырып жиберилгенин билди. Сонда ол Харонның қалған уллары Элазар ҳәм Итамарға қатты ашыўланып былай деди:
17. – Не ушын гүна қурбанлығының гөшин мухаддес жерде жемедиңлер? Ол – жүдә мухаддес қурбанлық-ғо! Жаратқан Ийениң алдында жәмийеттиң гүнасын жуўып, оларды пәклеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе оны сизлерге берген еди.
18. Текениң қаны Мухаддес шатырдың ишине алып кирилмеген. Сизлерге буйырғанымдай, текени мухаддес жерде жеўиңиз керек еди.
19. Харон Муўсаға былай деди: – Олар бүгин Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлықты берди. Ал мениң басыма усындай ис түсти! Бүгин мен гүна қурбанлығының гөшинен жегенимде, бул Жаратқан Ийеге унар ма еди?
20. Бул сөзди еситип, Муўса буған ыразы болды.

1. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2. – Израил халқына былай деп айтыңлар: «Жер бетинде жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўге болады:+
3. туяқлары терең етип екиге айырылған, аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин.
4. Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы екиге айырылмаған. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
5. Даман гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
6. Қоян гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
7. Шошқа екиге айырылған, аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады.
8. Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер. Олар сизлер ушын ҳарам саналады.
9. Суўда жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўиңизге болады: теңизде, суўларда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады.
10. Теңизде ҳәм суўларда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын мәкириў саналады.
11. Булар сизлер ушын жеркенишли саналады. Олардың гөшин жемеңлер ҳәм өлигинен жеркениңлер.
12. Суўда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли саналады.
13. Мына қусларды жеркенишли деп билип, олардың гөшин жемеңлер: бүркит, күшеген, қара қус,
14. шайқус, лашын ҳәм оның түрлери,
15. ғарғаның барлық түрлери,
16. үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери,
17. үй байыўлысы, қарабай, қулақлы жапалақ,
18. ақ қуў, узақша, сипа,
19. ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат.
20. Қанатлы шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли.
21. Ал олардың ишиндеги тек ғана узын аяқлары менен секирип жүретуғынларын жеўиңизге болады.
22. Олар: шегирткениң барлық түрлери, шекшек шегиртке, қара шегиртке ҳәм усылардың барлық түрлери+.
23. Басқа шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли.
24. Төмендеги ҳайўанлар сизлерди ҳарамлайды, олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
25. Ким де ким олардың өлигин тасыса, ол кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады+.
26. Туяғы екиге айырылған, бирақ туяғындағы жарығы терең болмаған ҳәм гүйис қайтармайтуғын ҳәр бир ҳайўан сизлер ушын ҳарам болады. Оларға бир жерин тийгизген адам да ҳарам саналады.
27. Төрт аяқлы ҳайўанлардан пәнжелерин жерге басып жүретуғын ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам болады. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
28. Олардың өлигин тасыған адам кийимлерин жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өйткени бул ҳайўанлар сизлер ушын ҳарам.
29. Жер баўырлап жүриўши мына ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам саналады: гөртышқан, тышқан, кесирткениң түрлери,
30. геккон, ешкемер, дийўал кесирткеси, шөл кесирткеси, хамелеон.
31. Барлық жер баўырлаўшылар ишинде сизлер ушын ҳарам деп саналатуғынлары усылар. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады.
32. Олардың биреўиниң өлиги бир нәрсениң үстине түсип кетсе, оны ҳарам қылады. Сол ҳәр бир исте қолланылатуғын ағаш ыдыс, кийим, тери, я кенеп болсын, оларды суўға салып қойыў керек. Олар кешке дейин ҳарам саналып, соңынан ҳадал саналады+.
33. Ал егер ҳайўанның өлиги ылай ыдыстың ишине түсип кетсе, онда ыдыстың ишиндеги ҳәр қандай нәрсе ҳарам саналады ҳәм ыдыс сындырып тасланыўы керек+.
34. Бундай ыдыстағы суў ишип-жеўге болатуғын азық-аўқатқа тамып кетсе, онда булар ҳарам саналады.
35. Усындай ҳайўанлардың бириниң өлиги нениң үстине түссе де, соны ҳарам қылады. Ол тандырға ямаса ошаққа түскен болса, онда олар бузып тасланыўы тийис. Себеби олар ҳарам болады ҳәм сизлер ушын да ҳарам саналады.
36. Бирақ өлик түскен булақ ямаса суў сақлағыш ғана ҳадал саналады. Ал ҳайўанлардың өлигине бир жерин тийгизген адам ҳарам саналады.
37. Егер усы ҳайўанлардың бириниң өлиги егилетуғын туқымға түссе, туқым ҳадал болып қала береди.
38. Бирақ егер ол суўға салынған туқымның үстине түссе, туқым сизлер ушын ҳарам саналады.
39. Егер гөшин жеўге болатуғын ҳайўан ҳарам өлсе, оның өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады+.
40. Оның гөшинен жеген адам кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өликти тасыған адам да кийимлерин жуўыўы тийис. Бундай адам кешке дейин ҳарам саналады.
41. Жер баўырлап жүриўши барлық ҳайўанларды мәкириў санаңлар. Оларды жемеңлер.
42. Қарны менен сүйретилип жүриўши болсын, төрт аяқлы жер баўырлаўшы ҳәм көп аяқлы жаныўарлар болсын, олардың ҳеш бирин жемеңлер. Өйткени олар жеркенишли.
43. Олардың ҳеш бири менен өзиңизди мәкириў етпеңлер, олар арқалы ҳарам болып қалмаңлар.
44. Себеби Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Мухаддес болыў ушын өзлериңизди Маған бағышлаңлар, себеби Мен – мухаддеспен. Жер баўырлаўшылардың ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаңлар+.
45. Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарған Жаратқан Ийе – Мен боламан. Мухаддес болыңлар, өйткени Мен – мухаддеспен.
46. Ҳайўанлар, қуслар, суўда жасаўшы ҳәр түрли ҳайўанлар ҳәм жер баўырлаўшылар туўралы қағыйдалар усы болады.
47. Ҳарамды ҳадалдан, жеўге болатуғын ҳайўанларды жеўге болмайтуғын ҳайўанлардан айырып билиңлер!»+

2. – Израил халқына былай деп айт: «Егер бир ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўса, ол етеги келген күнлери сыяқлы, жети күн ҳарам саналады.
3. Оның баласы сегиз күнлигинде сүннет етилсин.
4. Ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети сегизинши күннен баслап, және отыз үш күн даўам етсин. Бул шилле ўақты тамам болмағанша, ҳаял мухаддес нәрсеге қол тийгизбеўи ҳәм Мухаддес шатырға бармаўы тийис.
5. Егер ҳаял қыз туўса, ол еки ҳәпте даўамында етеги келген күнлери сыяқлы ҳарам саналады. Соннан соң, ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети алпыс алты күн болсын.
6. Ул ямаса қыз туўған ҳаялдың тазаланыў мүддети питкеннен соң, ол жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жас кептер ямаса бир қумырыны Ушырасыў шатырының алдына әкелип, руўханийге берсин.
7. Руўханий оларды Жаратқан Ийениң алдында қурбанлыққа берип, ҳаял ушын тазалаў рәсимин өткерсин. Сонда ҳаял қан кетиўден тазаланған болып саналады. Ул ямаса қыз туўған ҳаялға байланыслы қағыйда усы болады.
8. Егер ҳаялдың қошқар бериўге шамасы болмаса, онда ол биреўин жандырылатуғын қурбанлық, ал екиншисин гүна қурбанлығы ушын еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Сонда руўханий ҳаял ушын тазалаў рәсимин өткереди ҳәм ҳаял таза саналады».

2. – Денесинде жаман тери кеселлигине айланыўы мүмкин болған дақ, бөртпе ямаса ақтаңлағы бар адам руўханий Харонға ямаса оның руўханий улларының бирине апарылсын.
3. Руўханий теридеги жараны тексерип шықсын. Егер жараның үстиндеги қыл ағарып, жара ойылған болса, онда бул – жаман тери кеселлигине тән жара. Бундай жағдайда терисиндеги жараның усындай екенлиги анықланған адамды руўханий ҳарам деп жәрияласын.
4. Ал егер адамның терисинде ақтаңлақ болғаны менен, ол ойылмаған ҳәм үстиндеги қыллар ағармаған болса, онда руўханий кесел адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
5. Жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер жара сол ҳалында қалып, териге жайылмаған болса, онда кесел адамды және жети күн бөлеклеп қойсын.
6. Руўханий жетинши күни кесел адамды тағы тексерип көрсин. Егер жара териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол кеселди ҳадал деп жәрияласын. Бул – әпиўайы бөртпе болғаны. Кесел адам кийимлерин жуўсын ҳәм сонда ол ҳадал деп саналады.
7. Руўханийге тексерилип, ҳадал деп саналғаннан кейин, сол адамның терисиндеги бөртпе жайыла басласа, ол қайтадан руўханийге көринсин.
8. Руўханий адамды тағы тексерип шықсын. Егер адамның терисиндеги бөртпе жайылған болса, онда руўханий оны ҳарам деп жәрияласын. Демек, сол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны.
9. Усы кеселдиң белгиси бар адам руўханийге апарылып,
10. руўханий оны тексерип шыққанда, териде ақ дақ табылса, дақтың үстиндеги қыллар да ақ болып, ол аўзы ашық жара болса,
11. бул жазылмайтуғын тери кеселлиги болғаны. Руўханий адамды ҳарам деп жәрияласын, оны бөлеклеп қойыўдың пайдасы жоқ. Себеби ол адам әлле қашан ҳарам болып есапланады.
12. Егер кеселлик жайылып, жара сол адамды басынан аяғына дейин қаплаған болса,
13. онда руўханий оны тексерип шықсын. Егер барлық денеси таза териге қапланған болса, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын.
14. Бирақ егер жараның аўзы ашық ҳәм қызарған болса, онда адам ҳарам саналады.
15. Руўханий қызарған, аўзы ашық жара көрсе, адамды ҳарам деп жәрияласын. Усындай жара ҳарам болып, бул жаман тери кеселлигиниң белгиси.
16. Егер жараның аўзы питип, тек ғана ақ дақ қалған болса, онда руўханий тексерип шығып, ол адамды ҳадал деп жәрияласын
17. .
18. Егер биреўдиң терисине шыйқан шығып, ол жазылып кеткен болса,
19. бирақ шыйқанның орнында ақ ямаса ақшыл қызыл реңдеги ақтаңлақ пайда болса, ол руўханийге көриниўи тийис.
20. Руўханий оны тексерип шықсын. Егер дақ терең ойылып, үстиндеги түклер ағарған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Бул – шыйқанның орнына шыққан жаман тери кеселлиги болғаны.
21. Бирақ егер руўханий тексергенде, дақтың үстиндеги түктиң ағармағанын көрсе, жара терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
22. Егер усы ўақыт даўамында жара жайылып баслаған болса, руўханий ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул – жаман тери кеселлиги болғаны.
23. Ал егер ақтаңлақ сол ҳалында қалып, жайылмаған болса, бул тек ғана шыйқаннан қалған тыртық болғаны. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
24. Егер биреў күйип қалып, күйген териде қызғыш ямаса ақ дақ пайда болса,
25. онда руўханий жарақатты тексерип шықсын. Ақтаңлақтың үстиндеги түклер ағарып, дақ терең ойылған болса, демек, бул – күйген териниң орнында пайда болған жаман тери кеселлиги. Руўханий бундай адамды ҳарам деп жәрияласын.
26. Бирақ егер руўханий ақтаңлақтағы түктиң ағармағанын көрсе, дақ терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда руўханий ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
27. Жетинши күни руўханий оны және тексерип көрсин. Егер дақ териге жайылған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени ол жаман тери кеселлигине шалынған.
28. Егер теридеги ақтаңлақ сол ҳалында қалып, териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда бул – күйиктен пайда болған тыртық. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
29. Бир ер адамның ямаса ҳаялдың басында ямаса ийегинде жара болса,
30. руўханий жараны тексерип шықсын. Жара териде терең орналасқан, үстиндеги түклер жиңишке ҳәм сары болса, онда руўханий аўырыў адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул қотыр жара, бас ҳәм ийекте пайда болған жаман тери кеселлиги.
31. Деген менен, руўханий бундай жараны тексергенде, жараның терең ойылмағанын, бирақ жараның үстинде қара түк жоқ екенин көрсе, онда ол аўырыў адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
32. Ал жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған, үстинде сары түк жоқ болып, жара терең ойылмаған болса,
33. онда адамның қотыр болған жеринен басқа ҳәмме жериндеги түклер қырып таслансын. Руўханий аўырыў адамды және жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын.
34. Жетинши күни руўханий қотыр жараны тағы тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған ҳәм терең ойылмаған болса, онда руўханий сол адамды ҳадал деп жәрияласын. Аўырыў адам кийимлерин жуўсын, сонда ол ҳадал деп саналады.
35. Бирақ аўырыў адам ҳадал деп жәрияланғаннан соң, қотыр жара оның терисине жайылып басласа,
36. руўханий оны қайтадан тексерип шықсын. Егер қотыр жайылған болса, онда сарғайған түкти излемесе де болады. Ол адам ҳарам болып саналады.
37. Ал егер қотыр жара сол ҳалында қалып, үстине қара түк шыққан болса, онда қотыр жазылғаны. Адам ҳадал болады, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын.
38. Бир ер адамның ямаса ҳаялдың терисинде ақтаңлақлар пайда болса,
39. онда руўханий оны тексерип шықсын. Теридеги ақтаңлақлар алдынғысынан гөре билинбей баратырған ҳәм ақшыл болса, бул – бөртпе болғаны. Адам ҳадал саналсын.
40. Егер адамның төбе шашы ямаса шашының алды бети төгилген болса, онда бул – кәл болғаны. Адам ҳадал саналады
41. .
42. Бирақ кәл болған адамның басында қызғыш ақ жаралар пайда болса, онда ол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны.
43. Руўханий оны тексерип көрсин. Басының төбесиндеги ямаса алды бетиндеги дақлар жаман тери кеселлигине тән жаралар сыяқлы ақшыл қызыл болса,
44. онда адам усындай тери кеселлигине шалынған болып, ол ҳарам саналады. Басындағы жара себепли руўханий оны ҳарам деп жәрияласын.
45. Жаман тери кеселлигине шалынған адамның кийимлери жыртылып, шашлары жайылған болсын. Адам жүзиниң төменин жаўып: «Ҳарамман! Ҳарамман!» – деп бақырсын.
46. Ол адам кеселлиги даўамында ҳарам саналып, халықтан узақта, орданың сыртында жасасын.
47. Егер жүн ямаса зығыр кийимди, ҳәр қандай жүн ямаса зығыр жиптен тоқылған гезлеме, тери ямаса тери буйымды баз басып кетсе
48. .
49. ҳәм булардағы баз басқан дақ жасыл ямаса қызыл түске енсе, онда олар руўханийге көрсетилиўи тийис.
50. Руўханий оларды тексерип көрип, зыянланған нәрсени жети күн бөлек сақласын.
51. Жетинши күни оны және тексерсин. Егер кийимде, гезлемеде ямаса қандай да бир мақсет пенен қолланылған тери буйымда баз басқан жер жайылса, бул зыянлы болғаны. Зыянланған зат ҳарам саналады.
52. Үсти баз басқан ҳәр бир зат руўханий тәрепинен жағып жиберилсин. Өйткени бул зыянлы нәрсе болғанлықтан, жандырып жиберилиўи керек.
53. Егер руўханий кийимдеги, гезлемедеги ямаса қандай да бир тери буйымдағы баз басқан жердиң жайылмағанын көрсе,
54. баз басқан затты жуўыўды буйырсын. Руўханий оны және жети күн бөлек сақласын.
55. Соннан кейин, руўханий оны және тексерсин. Егер баз жайылмағаны менен реңи бурынғыдай жасыл ямаса қызыл болса, ол ҳарам саналады. Бул заттың иши ямаса сырты баз басып кетсе, ол жандырып жиберилиўи тийис.
56. Бирақ сол заттың баз басқан жери алдынғысынан гөре билинбей баслаған болса, руўханий кийимдеги, теридеги ямаса гезлемедеги баз басқан жерди кесип тасласын.
57. Егер сол затларда және баз басқан жер көринсе, ол жайылып баслағаны. Онда бундай затты жағып жибериўиңиз тийис.
58. Жуўылған кийимнен, гезлемеден ямаса тери буйымнан баз басқан жер жоқ болып кетсе, онда ол қайтадан жуўылсын. Соннан соң, ол ҳадал саналады.
59. Баз басқан жүн ямаса зығыр кийим, гезлеме ямаса тери буйым ҳарам ямаса ҳадал деп жәрияланыўы ушын қолланылатуғын қағыйдалар усылардан ибарат.

2. – Жаман тери кеселлиги менен аўырған адамның ҳадал қылынатуғын күни мына пәклениў қағыйдасы қолланылыўы тийис: аўырыў адам руўханийге апарылсын.
3. Руўханий оны тексериў ушын орданың сыртына шықсын. Егер аўырыў адам тәўир болған болса,
4. руўханий оны пәклеў ушын еки ҳадал тири қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин әкелиўди буйырсын.
5. Руўханийдиң буйрығы менен қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде шалсын.
6. Кейин руўханий тири қусты, кедр ағашын, қырмызы жипти ҳәм майоран шөбин сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын
7. ҳәм тери кеселлигинен пәкленетуғын адамның үстине жети мәрте серпсин. Соннан кейин, руўханий оны ҳадал деп жәриялап, тири қусты ашық далаға жиберсин.
8. Пәкленетуғын адам кийимлерин жуўып, барлық шашларын қырқып тасласын ҳәм суўға жуўынсын, сонда ол ҳадал саналады. Кейин ол ордаға кириўине болады, бирақ жети күн шатырының сыртында жасасын.
9. Жетинши күни ол шашын, сақалын, қасларын ҳәм денесиндеги барлық жүнлерин қырып тасласын. Кийимлерин жуўып, өзи де суўға жуўынып болғаннан соң, ҳадал саналады.
10. Сегизинши күни ол минсиз еки еркек тоқлы, бир жасар минсиз қой, ғәлле садақасы сыпатында зәйтүн майы менен араластырылған оннан үш эфа сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин.
11. Пәклеў хызметин орынлап атырған руўханий булардың барлығын ҳәм пәкленип атырған адамды Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
12. Кейин руўханий тоқлылардың биреўин алып, оны бир лог зәйтүн майы менен бирге айып қурбанлығы етип усынсын. Буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
13. Тоқлыны гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын мухаддес жерде шалсын. Өйткени гүна қурбанлығы сыяқлы айып қурбанлығы да руўханийге тийисли. Бул қурбанлық жүдә мухаддес болып есапланады.
14. Руўханий пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қанынан сүртсин.
15. Соннан кейин, ол бир лог зәйтүн майынан азғантай алып, өзиниң шеп алақанына қуйсын.
16. Оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин.
17. Пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығынан сүртилген қанның үстине қолындағы майдан сүртсин.
18. Соның менен бирге, руўханий алақанында аўысып қалған майды пәкленетуғын адамның басына сүртип, Жаратқан Ийениң алдында оны пәклесин.
19. Соннан соң, руўханий гүна қурбанлығын берип, пәкленетуғын адамды ҳарамлығынан пәклесин. Буннан кейин жандырылатуғын қурбанлықты сойып,
20. оны ғәлле садақасы менен бирге қурбанлық орында жағып жиберсин. Усылай етип, руўханий оны пәклейди ҳәм сол адам ҳадал болып есапланады.
21. Егер де ол адам жарлы болып, буларды алыўға шамасы келмесе, пәклениўи ушын жоқары көтерип усынатуғын айып қурбанлығы ушын бир еркек тоқлы, ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы қосылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин.
22. Ол биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип бериў ушын шамасы келгенинше, еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин.
23. Ол булардың ҳәммесин пәклениў ушын сегизинши күни Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келип, руўханийге берсин.
24. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген тоқлыны ҳәм бир лог зәйтүн майын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
25. Соңынан айып қурбанлығы ушын берилетуғын тоқлыны сойып, оның қанынан алып, пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына сүртсин.
26. Соннан соң, руўханий өзиниң шеп алақанына азғантай зәйтүн майын қуйып,
27. оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин.
28. Ол қолындағы майдан пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қаны сүртилген жерге сүртсин.
29. Соның менен бирге, руўханий Жаратқан Ийениң алдында пәкленетуғын адамды пәклеў ушын, қолында қалған майды оның басына сүртсин.
30. Соннан кейин, сол адамның шамасы жеткенине қарап, алған қумырылардан ямаса кептерлерден биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип, ғәлле садақасы менен бирге усынсын. Руўханий усылай етип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин
31. .
32. Жаман тери кеселлиги менен аўырып, тәўир болғаннан кейин пәклениўи ушын жағдайы төмен адамлар ушын қағыйдалар усылардан ибарат.
33. Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
34. – Сизлерге мүлик қылып беретуғын Қанан жерине киргениңизден кейин, елиңиздеги бир үйге көгерип, баз басыў бәлесин жиберсем,
35. үйдиң ийеси руўханийге барып: «Үйимде көгериўге уқсаған бир нәрсе көрдим», – деп хабар берсин.
36. Руўханий көгериўди көриўге бармасынан алдын, үйдеги ҳәр бир нәрсе ҳарам деп саналмаўы ушын, оларды сыртқа шығарып қойыўды буйырсын. Соннан кейин, ол үйди көриўге барсын.
37. Ол көгерген дийўалларды көзден өткерсин. Егер көгериўдеги жасыл ямаса қызыл түсли дақлар дийўалға сиңип баратырған болса,
38. онда руўханий үйден шығып, үйди жети күн даўамында жаўып қойсын.
39. Ол жетинши күни қайтып барып, үйди және көзден өткерсин. Егер де көгериў дийўалларға жайылған болса,
40. көгерген тасларды алып таслап, қаланың сыртына, ҳарам саналатуғын бир жерге апарып таслаўды буйырсын.
41. Үйдиң ишиндеги барлық сыбаўды түсиртип, буларды да қаланың сыртындағы сол жерге таслатсын.
42. Алынған таслардың орнына басқа таслар қаланып, үй жаңадан сыбалсын.
43. Соннан кейин де үйде көгериў және пайда болса,
44. руўханий барып, үйди көзден өткерсин. Көгериў жайылса, ол зыянлы болып, үй ҳарам саналады.
45. Бундай үй бузып таслансын. Оның таслары, ағашлары, барлық сыбаўлары қаланың сыртындағы ҳарам жерге апарып таслансын.
46. Үй жабылған күнлери, оған кирген ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады.
47. Сол үйде жатқан ямаса аўқат жеген адам кийимлерин жуўсын.
48. Ал егер де үй сыбалғаннан соң, руўханий үйге кирип, көзден өткергенде, сол көгериў жайылмаған болса, онда руўханий үйди таза деп жәрияласын. Өйткени көгериў жоқ болды.
49. Руўханий үйди пәклеў ушын еки қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин алсын.
50. Қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде сойсын.
51. Кедр ағашын, майоран шөбин, қырмызы жипти ҳәм тири қусты алып, сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын да, оны жети мәрте үйге серпсин.
52. Усылай етип, руўханий үйди пәклегеннен соң,
53. тири қусты қаланың сыртына, ашық далаға ушырып жиберсин. Солай етип, үй пәкленип, таза болады.
54. Ҳәр түрли тери кеселлиги, қотыр жара, дақ, бөртпе ямаса ақтаңлақлар, және де, кийим ҳәм үйлерде пайда болатуғын баз басыў менен көгериўге байланыслы қағыйдалар усылардан ибарат
55. .
56. Булардың қашаннан берли ҳарам, қашаннан берли ҳадал болғаны усы нызам бойынша билинеди.

2. – Израил халқына былай деп айтыңлар: «Еркектиң жынысый ағзасынан ириң ажыралып шықса, ол ҳарам саналады.
3. Адамнан ажыралып шығатуғын ириң ҳаққында нызам мынадай: ириң ақса да, қойыўласып иркилип қалса да, адам ҳарам саналады.
4. Бундай адамның жатқан төсеги ҳәм отырған ҳәр бир нәрсеси ҳарам саналады.
5. Ким де ким оның төсегине бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады+.
6. Сол адамның отырып кеткен жерине отырған адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады.
7. Ким де ким ириң ағып жүрген адамға бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын ҳәм өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
8. Егер де ириң ағып жүрген адамның түкириги пәк адамға шашырап кетсе, түкирик шашыраған адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
9. Ириңи бар адам минген ҳәр бир аттың ери ҳарам саналады.
10. Усы адам отырған ҳәр бир нәрсеге бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. Бул затларды көтерип жүрген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
11. Ириңи бар адам қолларын жуўмай, биреўге қолын тийгизсе, сол адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
12. Ириңи бар адам услаған ҳәр бир ылай ыдыс сындырып таслансын, ал ағаш ыдыс болса, суў менен жуўылсын+.
13. Егер адамның ириңи тоқтап, тәўир болса, жети күн өтиўи тийис. Соннан кейин, ол кийимлерин жуўып, ағын суўда жуўынсын, сонда ол таза болып саналады.
14. Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер алып, Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына әкелсин ҳәм буларды руўханийге берсин+.
15. Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Усылай етип, руўханий ириңи бар болған адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
16. Егер де бир еркек адамның урығы ақса, пүткил денесин суўға жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады+.
17. Үстине жынысый туқымлық тамған ҳәр бир кийим ямаса тери затлар суў менен жуўылсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады.
18. Еркек бир ҳаял менен жатып, еркектен урық ақса, екеўи де жуўынсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады.
19. Егер ҳаялдың әдеттегидей етек кири келип жүрсе, ол жети күн даўамында ҳарам саналады. Оған бир жерин тийгизген адам да кешке дейин ҳарам саналады+.
20. Етек кири келип жүрген ўақтында, ҳаялдың төсеги де, ол үстинде отырған ҳәр бир нәрсе де ҳарам саналады.
21. Ким де ким сол ҳаялдың төсегине ямаса ол отырған затқа бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де суўға жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады
22. .
23. Ҳаялдың төсегиниң ямаса ол отырған заттың үстинде турған бир нәрсеге жантасқан ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады.
24. Егер еркек етек кири келип жүрген ҳаял менен жатса, еркек те ҳарам саналады. Ол еркек жети күн ҳарам болып, оның жатқан ҳәр бир төсеги де ҳарам саналады+.
25. Егер ҳаялдың етек киринен тысқары қан келсе ҳәм бул узақ ўақыт даўам етсе, ямаса етек кири әдеттен тыс узайып кетсе, онда ол усы ўақыт даўамында да етек кири ўақтындағыдай ҳарам саналады+.
26. Усы ўақыт даўамында ҳаялдың жатқан төсеги ямаса отырған ҳәр бир нәрсе етеги келип жүрген ўақтындағы сыяқлы ҳарам саналады.
27. Ким де ким сол нәрселерге жантасса, ҳарам болып есапланады. Ол кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
28. Ҳаялдың қаны тоқтағаннан соң жети күн өтиўи тийис, соннан кейин ол таза болып есапланады.
29. Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептерди Ушырасыў шатырының алдына алып келсин ҳәм оларды руўханийге берсин+.
30. Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық қылып усынсын. Усылай етип, руўханий қан кетиўден ҳарамланған ҳаялды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
31. Израил халқын ҳарамлықтан усылай сақлаң. Солай етип, араңызда жайласқан Мениң Мухаддес шатырымды ҳарам қылып, өлип қалмаңлар+.
32. Жынысый ағзасынан ириң ямаса урығы аққан адам, етек кири келип жүрген ҳаял ҳәм усындай жағдайдағы ҳаял менен жатқан еркекке байланыслы қағыйдалар усы болады»
33. .

1. Жаратқан Ийениң алдына жақынлаған ўақытта өлген Харонның еки улының өлиминен соң, Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесип,
2. оған былай деди: – Әжағаң Харонға айт, ол Ең мухаддес бөлмеге, пердениң артына, Келисим сандығының үстиндеги гүнадан пәклейтуғын қақпақтың алдына тек белгиленген ўақытта кирсин. Басқа ўақытта кирсе, ол өлип қалады. Себеби Мен булт ишинде, қақпақтың үстинде пайда боламан.
3. Харон Ең мухаддес бөлмеге киретуғын ўақытта гүна қурбанлығы ушын бир буға, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар усынсын.
4. Ол зығырдан исленген мухаддес узын көйлек, зығыр диз кийим кийсин, зығыр белбеў байласын ҳәм басына зығыр сәлле орасын. Булар мухаддес кийимлер, соның ушын оларды кийместен алдын жуўынып алсын.
5. Израил жәмийети де гүна қурбанлығы ушын Харонға еки теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар әкелсин.
6. Харон өзин ҳәм шаңарағын гүналардан пәклеў ушын, гүна қурбанлығы етип бир буға усынсын.
7. Соннан кейин, ол еки текени Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
8. Сол жерде еки теке ушын шек тасланып, қайсысының Жаратқан Ийе ушын, қайсысының Азазел ушын дүзге айдап жиберилетуғынын анықласын.
9. Харон шек бойынша Жаратқан Ийеге тийисли текени алып, гүна қурбанлығы етип усынсын.
10. Шек бойынша Азазелге жиберилетуғын текени тирилей Жаратқан Ийениң алдына әкелип, халықтың гүналарының өтелиўи ушын дүзге айдап жиберсин.
11. Харон өзи ҳәм шаңарағы ушын берилетуғын буғаны гүна қурбанлығы етип усынғанда,
12. ол қурбанлық орыннан шоқларды алып, түтетки түтетилетуғын ыдысқа толтырып салсын. Кейин сол ыдысты ҳәм еки қосуўыс майдалап унталған хош ийисли түтеткини пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин.
13. Ол жерде, Жаратқан Ийениң алдында түтеткини шоқлардың үстине қойсын. Оның түтини Келисим сандығының үстиндеги қақпақты көзге көринбейтуғын етип қаплайды. Сонда Харон өлмей тири қалады.
14. Соннан кейин, ол буғаның қанынан алып, бармағы менен шығыс тәрептен қақпақтың үстине бир мәрте, кейин қақпақтың алдына жети мәрте серпсин.
15. Усыдан кейин ол халық ушын гүна қурбанлығы етип текени сойсын. Оның қанын пердениң ишки жағына, Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин. Буғаның қанын серпкендей етип, текениң қанын да сол Келисим сандығының қақпағының үстине ҳәм оның алдына серпсин.
16. Усылай етип, Ең мухаддес бөлмени Израил халқының напәкликлеринен, жынаятларынан ҳәм барлық гүналарынан тазаласын. Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлме ушын да анық усылай исленсин. Өйткени шатыр напәк адамлардың арасында жайласқан.
17. Харон өзиниң, шаңарағының ҳәм пүткил Израил жәмийетиниң атынан пәклеў рәсимин өткериў ушын Ең мухаддес бөлмеге киргенде, сыртқа шығаман дегенше, Ушырасыў шатырында ҳеш ким болмаўы тийис.
18. Соңынан Харон Жаратқан Ийениң алдындағы қурбанлық орынға шығып, қурбанлық орынды пәклеў ушын, буға менен текениң қанын қурбанлық орынның шақларына сүртип шықсын.
19. Қанды бармағы менен қурбанлық орынға жети мәрте серпсин. Усылай етип, ол қурбанлық орынды Израил халқының напәклигинен тазалап, мухаддес қылады.
20. Харон Ең мухаддес бөлмени, оның алдындағы Мухаддес бөлмени ҳәм қурбанлық орынды пәклегеннен соң, тири текени алып келсин.
21. Ол еки қолын текениң басына қойып, Израил халқының барлық айыпларын, жынаятларын ҳәм гүналарын даўыслап тән алып, буларды текениң басына жүклесин. Соннан кейин, теке усы ис ушын арнаўлы адамға тапсырылсын ҳәм ол текени қула дүзге айдап жиберсин.
22. Солай етип, теке Израил халқының барлық айыпларын қула дүзге алып кетеди.
23. Соннан соң, Харон Ушырасыў шатырына кирсин. Ол Ең мухаддес бөлмеге кирер алдында кийип алған зығыр кийимлерин шешип, Мухаддес бөлмеде қалдырсын.
24. Ол мухаддес жерде жуўынып, күнделикли руўханийлик кийимлерин кийсин. Соннан соң, өзи ҳәм халық ушын берилетуғын жандырылатуғын қурбанлықларды усынсын. Усылай етип, ол өзин де, халықты да гүнадан пәклесин.
25. Гүна қурбанлығының майын қурбанлық орында түтетип жандырсын.
26. Ал гүна жүкленген текени Азазелге жиберип қайтқан адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Соннан кейин, ол ордаға кире алады.
27. Гүна қурбанлығы етип берилген ҳәм пәклеў рәсимин өткериў ушын қанлары Ең мухаддес бөлмеге алып кирилген буға менен теке орданың сыртына шығарып таслансын. Олардың терилери, гөшлери ҳәм дәрислери жағып жиберилсин.
28. Буларды жаққан адам кийимлерин жуўып, өзи де жуўынғаннан соң, ордаға кире алады.
29. Сизлер ушын мынаў мәңгиге қағыйда болсын: жетинши айдың оныншы күни ораза тутың. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди адам болсын, ҳеш бириңиз әдеттеги жумысыңызды ислемең.
30. Өйткени сол күни руўханий Харон сизлерди гүналарыңыздан пәклейди. Сонда сизлер Жаратқан Ийениң алдында барлық гүналарыңыздан тазаланасызлар.
31. Сол күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болады, сол күни ораза тутыңлар. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын.
32. Әкесиниң орнына бас руўханийликке тайынланып, майланған руўханий мухаддес зығыр кийимлерин кийип, пәклеў рәсимин өткерсин.
33. Ол Ең мухаддес бөлмени, Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды тазалап, руўханийлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң гүналарынан пәклейди.
34. Израил халқының көп гүналары себепли жылына бир мәрте пәклеў рәсими өткерилсин. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын. Харон ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.

2. – Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў:
3. Егер Израил халқынан биреў бир сыйыр, бир қой ямаса ешки соймақшы болса, оны қурбанлық сыпатында Жаратқан Ийеге усыныў ушын, Ушырасыў шатырының алдына алып келиўи тийис. Егер малды ямаса жанлықты Мухаддес шатырдың алдына алып келмей, басқа жерде сойса, ол қан төккен болып, айыплы саналсын. Қан төккен сол адам халықтың арасынан жоқ қылынады
4. .
5. Солай етип, израиллылар ашық далаларда сойған қурбанлықларын ендигиден былай Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Олар қурбанлықларын Ушырасыў шатырының алдына, руўханийге алып келсин ҳәм татыўлық қурбанлығы етип, Жаратқан Ийеге усынсын.
6. Руўханий қурбанлықтың қанын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы Жаратқан Ийениң қурбанлық орнына серпип жиберсин, майларын болса, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жиберсин.
7. Буннан былай, Израил халқының қурбанлықлары теке көринисиндеги жинлерге берилмесин ҳәм солай ислеп, олар Жаратқан Ийеге опасызлық қылмасын. Бул қағыйдаға әўладлар даўамында әмел қылынсын».
8. Оларға және былай деп айт: «Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық берсе,
9. бирақ оны Жаратқан Ийеге усыныў ушын Ушырасыў шатырының алдына алып келмесе, ол халықтың арасынан жоқ қылынады.
10. Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи гөшти қаны менен жесе, Мен оған қарсы шығып, халқының арасынан жоқ қыламан.
11. Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Қанды сизлерге қурбанлық орынның үстинде өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бердим. Өзинде өмир болған бул қан сизлерди гүнадан пәклейди.
12. Соның ушын, Израил халқына: „Сизлер ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардың ҳеш бири гөшти қаны менен жемесин“, – деп айттым.
13. Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгинди адамлардан биреўи жеўге болатуғын бир ҳайўан ямаса қус аўласа, оның қанын топыраққа ағызып көмип тасласын.
14. Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Сол себепли Мен Израил халқына: „Ҳеш бир жаныўардың гөшин қаны менен жемең“, – дедим. Оны ишкен адам халықтың арасынан жоқ қылынады.
15. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўан баўызлап өлтирген ҳайўанның гөшин жеген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. Соннан кейин барып, ол ҳадал саналады.
16. Егер де ол кийимлерин жуўмаса, өзи де жуўынбаса, айыплы саналып, жазаға тартылады».

2. – Израил халқына былай деп айт: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.
3. Өзлериңиз бурын арасында жасаған Мысыр халқының ҳәм Мениң сизлерди апаратырған Қанан жериниң үрп-әдетлерине әмел қылып, олар сыяқлы жасамаңлар.
4. Мениң нызамларымды орынлап, қағыйдаларым бойынша жасаңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
5. Қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылың. Өйткени адам оларды орынлаўы арқалы өмир сүреди. Мен – Жаратқан Ийемен.
6. Ҳеш ким жынысый қатнас жасаў ушын өз ағайинине жақынламасын. Мен – Жаратқан Ийемен.
7. Анаң менен жынысый қатнас қылып, әкеңди шерменде қылма. Ол анаң болғаны ушын, оның етегин ашпа.
8. Әкеңниң намысына тиймеўиң ушын, оның ҳеш бир ҳаялы менен жынысый қатнас қылма.
9. Сениң менен бир үйде туўылсын, басқа жерде туўылсын, анаңнан ямаса әкеңнен туўылған өгей қарындасларыңның ҳеш бири менен жынысый қатнас қылма.
10. Қызыңнан ямаса улыңнан туўылған ақлық қызың менен жынысый қатнас қылма. Өйткени олар сениң туўған қаналасларың болады.
11. Әкеңниң басқа ҳаялынан туўылған қыз бенен жынысый қатнас қылма. Себеби ол әкеңнен туўылған, сениң қарындасың болады.
12. Әкеңниң әжапасы ямаса қарындасы менен жынысый қатнас қылма. Өйткени ол әкеңниң жақын қаналасы болады.
13. Анаңның әжапасы ямаса сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Себеби ол анаңның жақын қаналасы болады.
14. Әкеңниң ағасының яки инисиниң ҳаялы менен жатып, оларды шерменде қылма. Себеби ол сениң жеңгең болады.
15. Келиниң менен жынысый қатнас қылма. Ол балаңның ҳаялы. Оның менен жатпа.
16. Ағаңның яки иниңниң ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. Болмаса олардың намысына тийесең.
17. Бир ҳаялдың өзи менен жынысый қатнаста болып, оның қызы менен де жынысый қатнас қылма. Ҳаялдың қызынан ямаса улынан туўылған ақлық қызы менен жынысый қатнас қылма. Себеби олар ҳаялдың жақын қанласлары. Бул уятсыз ис.
18. Ҳаялың тири ўақтында, оның әжапасын ямаса сиңлисин ҳаяллыққа алма ҳәм оның менен жынысый қатнас қылма.
19. Етеги келип жүргени ушын ҳарам саналған ҳаял менен жынысый қатнас қылма.
20. Басқа биреўдиң ҳаялы менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама.
21. Балаларыңның ҳеш бирин Молох қудайына арнап, қурбанлыққа берме ҳәм усылай ислеп, Қудайыңның атына тил тийгизбе. Мен – Жаратқан Ийемен.
22. Ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатпа. Бул жеркенишли ис.
23. Ҳеш қандай ҳайўан менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. Ҳаяллар да жынысый қатнас қылыў ушын ҳеш қандай ҳайўанға жақынламасын. Бул – бузықлық болады.
24. Усы ис-ҳәрекетлердиң ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаң. Мен сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атырған халық усындай ислер менен өзлерин ҳарамлаған еди.
25. Олар себепли ел де ҳарамланған. Олардың гүнасы себепли сол жерди жазаладым. Елдиң өзи турғынларынан кеўли айнып, оларды қусып таслады.
26. Сизлер Мениң қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып жасаңлар. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳеш бир адам бундай жеркенишли исти ислемесин.
27. Сизлерден алдын бул елде жасаған адамлар усы барлық жеркенишли ислерди ислеп, елди ҳарамлады.
28. Егер сизлер де елди ҳарамласаңыз, сизлерден алдынғы халыққа ислегениндей, ел сизлерди де қусып шығарып жибереди.
29. Ким де ким усы жеркенишли ислердиң биреўин ислесе, халықтың арасынан жоқ қылынады.
30. Мениң буйрықларымды орынлаңлар, сизлерден алдын елде жасаған адамлардың жеркенишли үрп-әдетлерине әмел қылып, өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз, Жаратқан Ийемен».

2. – Израил жәмийетине былай деп айт: «Мухаддес болың, өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен+.
3. Ҳәр бириңиз өз ата-анаңызды ҳүрметлең. Мениң Шаббатыма* әмел қылың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
4. Меннен жүз бурып, жалған қудайларға табынбаң ҳәм өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен +.
5. Татыўлық қурбанлығын әкелгениңизде, оны Мен қабыл ететуғындай етип усының+.
6. Қурбанлықтың гөши сойылған күни ямаса ертеңги күни желиниўи тийис, ал үшинши күнге қалған гөш жандырып жиберилсин.
7. Егер қурбанлықтың гөши үшинши күни желинсе, ол ҳарам саналып, қурбанлық қабыл етилмейди.
8. Оны жеген ҳәр бир адам айыбының жазасын алады, себеби Жаратқан Ийениң алдында мухаддес болғанды аяқ асты қылған болады. Ондай адам халық арасынан жоқ қылынады.
9. Атызыңыздағы егинлерди жыйнағаныңызда, оның шетлерин ормай қалдырып кетиң, жерге түскен масақларды да жыйнап алмаң+.
10. Жүзим бағыңыздың зүрәәтин нәрсе қалдырмай жыйнап алмаң. Жерге түскен жүзимлерди де терип алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
11. Урлық қылмаң, ҳийлекерлик қылмаң ҳәм бир-бириңизди алдамаң+.
12. Мениң атым менен өтирик ант ишип, Қудайыңыздың атына тил тийгизбең. Мен – Жаратқан Ийемен+.
13. Басқа бир адамның мал-мүлкин наҳақлық ҳәм зорлық жолы менен қолға киргизбең. Жалланба жумысшының ис ҳақысын таңға дейин услап турмаң+.
14. Гереңге ғарғыс сөз айтпаң, соқырдың алдына сүрнигетуғын ҳеш нәрсе қоймаң. Қудайыңнан қорқ. Мен – Жаратқан Ийемен.
15. Ҳүким ўақтында наҳақлық қылып, жарлыларды жақлап, еки жүзлилик қылып, байлардың да кеўлине қарап ҳәрекет қылмаң. Ҳәр бир адамды әдиллик пенен ҳүким етиң+.
16. Халқыңыздың арасында мыш-мыш гәп тарқатыўшы болмаң. Олардың өмирине қәўип туўдырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
17. Жүрегиңизде туўысқаныңызға қарсы жек көриўшилик болмасын. Туўысқаныңыздың айыбын жүзине айтың, сонда оның гүнасына шерик болмайсыз+.
18. Өш алыўшы болмаң, өз халқыңыздан болған биреўге қарсы кек сақламаң. Керисинше, өзиңизди сүйгениңиз сыяқлы, жаныңыздағы адамды да сүйиң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
19. Нызам-қағыйдаларыма әмел қылыңлар. Ҳайўанның еки түрин бир- бири менен шағылыстырмаң. Атызыңызға еки түрли туқым екпең. Үстиңизге еки түрли жиптен тоқылған кийим киймең+.
20. Егер де бир адам басқа бир еркекке атастырылып қойылған шоры қыз бенен жатса, ол қыздың қуны төленбеген ямаса еле азат етилмеген болса, онда екеўи де жазалансын, бирақ өлтирилмесин. Өйткени қыз еле азат етилмеген.
21. Сол адам Жаратқан Ийеге, Ушырасыў шатырының алдына айып қурбанлығы ушын бир қошқар алып келсин.
22. Руўханий бул қошқарды айып қурбанлығы ушын берип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында гүнасынан тазаласын. Сонда ол адамның гүнасы кешириледи.
23. Қанан елине киргеннен соң, ҳәр түрли мийўе ағашын тиккениңизде, олардың мийўесин үш жыл даўамында ҳарам санап, оннан жемеңлер.
24. Ал төртинши жылы сол ағашлардың барлық мийўесин шүкирлик садақасы етип, Жаратқан Ийеге бағышлаңлар.
25. Бесинши жылы олардың мийўесин жеўиңизге болады. Усылай қылсаңыз, мийўе ағашларыңыз мол мийўесин береди. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
26. Қаны ағызылмаған гөштен жемең. Пал ашыўшылық ҳәм болжаўшылық пенен шуғылланбаң+.
27. Шекеңиздиң шашларын кестермең, сақалларыңыздың ушларын қырықпаң+.
28. Марҳумлар ушын аза тутқаныңызда, денеңизди тилип жарақатламаң, териңизди тестирип, ҳеш нәрсе жаздырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен+.
29. Қызыңызды бузықлық қылыўға ийтермелеп, оны бийабырай қылмаң. Болмаса, бузықшылық тарап, ел уятсыз қылыққа толып кетеди+.
30. Мениң Шаббатыма әмел қылыңлар. Мениң Мухаддес мәканымды ҳүрмет қылыңлар. Мен – Жаратқан Ийемен+.
31. Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға барып, оларға хабарласпаң. Олар себепли өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
32. Жасы үлкенлер алдында орныңнан турып, жасы уллы адамларға ҳүрмет көрсетиң. Қудайыңыздан қорқың. Мен – Жаратқан Ийемен+.
33. Елиңизде сизлер менен бирге жасап атырған келгиндилерге жаўызлық қылмаң+.
34. Оларға өз жерлесиңиздей қатнаста болың ҳәм оны өзиңизди сүйгендей етип сүйиң. Өйткени сизлер де Мысырда келгинди болдыңыз. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
35. Бир нәрсениң узынлығын, аўырлығын ҳәм сыйымлылығын өлшегениңизде наҳақлық қылмаң.
36. Тәрезиңиз, аўырлық тасларыңыз, эфа ҳәм ҳин* өлшем ыдысларыңыз дурыс болсын. Мен сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен+.
37. Барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен».

2. – Израил халқына былай деп айт: «Израиллылардан ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардан биреўи баласын Молох қудайына қурбанлық қылса, ол сөзсиз өлтирилсин. Халық оны тас боран қылсын.
3. Ким де ким өз баласын Молохқа қурбанлық қылып, Мениң Мухаддес мәканымды ҳарамласа ҳәм мухаддес атыма тил тийгизсе, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан.
4. Егер бир адам баласын Молохқа қурбанлық қылса, буны елдеги халық көрмегенге салып, оны өлтирмесе,
5. Өзим сол адамға ҳәм оның хожалығына қарсы шығаман. Маған опасызлық қылған адамның өзин ҳәм оның изинен жүрип, Молохқа табынғанлардың ҳәммесин өз халқының арасынан жоқ қыламан.
6. Ким де ким әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға хабарласып, Маған опасызлық қылса, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан.
7. Өзлериңизди Маған бағышлаңлар ҳәм мухаддес болыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
8. Мениң қағыйдаларыма әмел қылып, орынлап жүриңлер. Себеби сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
9. Анасын ямаса әкесин ғарғаған ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. Анасын ямаса әкесин ғарғағаны ушын, ол адамның қаны өз мойнында қалады.
10. Бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен бузықшылық қылса, онда ол адам да, ҳаял да сөзсиз өлтирилсин.
11. Әкесиниң ҳаялы менен жатқан адам әкесин шерменде қылған болады. Екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Олардың төгилген қаны өз мойнында қалады.
12. Егер бир адам өз келини менен жатса, екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Себеби олар бузықлық қылған болады ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады.
13. Егер бир еркек адам ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатса, екеўи де жеркенишли ис қылған болады. Олар сөзсиз өлтирилсин ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады.
14. Егер бир адам қызына да, оның анасына да үйленсе, ол уятсыз ис қылған болады. Сизлердиң араңызда усындай уятсыз ҳәрекетлер болмаўы ушын, үшеўи де отқа жандырылсын.
15. Егер бир еркек ҳайўан менен жынысый қатнас ислесе, адам да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин.
16. Егер бир ҳаял жынысый қатнаста болыў ушын, бир ҳайўанға жақынласса, ҳаял да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады.
17. Бир адам әкеси ямаса анасынан туўылған қарындасына үйленип, жынысый қатнас қылса, шерменделик болады. Олардың екеўи де халықтың көз алдында ашық түрде жоқ қылынсын. Ол адам өгей қарындасының намысына тийгени ушын, өз айыбының жазасын тартады.
18. Етеги келип жүрген ҳаял менен жатып, жынысый қатнаста болған адам оның етек кирин ашқан болады, ҳаял да буған шериклес есапланады. Екеўи де халықтың арасынан жоқ қылынсын.
19. Әкеңниң әжапа-қарындасы ямаса анаңның әжапа-сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Өйткени бул жақын қанласыңның намысы. Екеўиңиз де өз айыбыңыздың жазасын тартасызлар.
20. Әкесиниң аға-инисиниң ҳаялы менен жатқан адам олардың намысына тийген болады. Екеўи де гүналарының жазасын тартады ҳәм перзент көрмей, өлип кетеди.
21. Туўысқанының ҳаялына үйленген адам жеркенишли ис қылған болады. Ол туўысқанының намысына тийгени ушын, олар перзент көрмей өтеди.
22. Мениң барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Сонда Мен сизлердиң жасаўыңыз ушын алып баратырған жер сизлерден кеўли айнып, қусып шығарып тасламайды.
23. Сизлердиң алдыңыздан қуўып шығаратуғын миллетлердиң үрп-әдетлери бойынша жасамаңлар. Себеби олар усы жаман әдетлердиң ҳәммесин ислеп киятыр. Сонлықтан Мен олардан жеркендим.
24. Сонда сизлер олардың жерлерине ийелик етесизлер. Сүт ҳәм пал ағып турған сол елди сизлерге мүлик етип беремен, деген едим. Сизлерди басқа миллетлерден ажыратып қойған Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.
25. Сизлер ҳадал ҳәм ҳарам саналған ҳайўанлар менен қусларды ажыратыўыңыз керек. Сизлерге ҳарам деп айтқан ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшыларды жеп, өзлериңизди ҳарамламаңлар.
26. Мениң алдымда мухаддес болыңлар, өйткени Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен. Маған тийисли болыўыңыз ушын, сизлерди басқа халықлардан ажыратып алдым.
27. Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын еркек те, ҳаял да тас боран қылынып, сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады».

1. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонның уллары болған руўханийлерге былай деп айт: «Руўханийлердиң ҳеш бири өз ағайинлериниң арасындағы бир марҳумға жантасып, өзин ҳарамламасын.
2. Ал егер де марҳум өзиниң жақын туўғаны: анасы, әкеси, улы, қызы, аға-иниси ямаса
3. үйиндеги турмысқа шықпаған әжапа-қарындасы болса, онда оның өлигине жантасып, өзин ҳарамлаўы мүмкин.
4. Бирақ қәйин журты тәрепинен биреў қайтыс болса, сол себепли өзин ҳарамламасын.
5. Руўханийлер аза тутқанда шашын қырдырып, сақалларының ушларын қырқтырмасын ҳәм денелерин тилип жарақатламасын.
6. Олар Қудайы ушын мухаддес болсын, Қудайының атына тил тийгизбесин. Олар Жаратқан Ийеге арналған, яғный Қудайына аўқат сыпатында берилген сыйларды усынғаны ушын мухаддес болсын.
7. Руўханийлер бузық ямаса зорланған ҳаялларға ҳәм ажырасқан ҳаялларға үйленбеўи тийис. Себеби руўханий Қудай ушын мухаддес.
8. Қудайыңызға аўқат сыпатында берилген сыйларды усынатуғын руўханийлер болғанлықтан, сизлер де оларды мухаддес санап, ҳүрмет қылың. Ол сизлер ушын мухаддес. Өйткени Мен сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийе – мухаддеспен.
9. Егер бир руўханийдиң қызы бузықлық қылып, өзин ҳарамласа, онда ол өзин де, әкесин де ҳарамлаған болады. Ондай қыз отқа жандырып жиберилсин.
10. Басына майлаў майы қуйылып, руўханийлик кийимлерди кийиўге тайынланған ҳәм басқа руўханийлерден уллы болған бас руўханий аза тутып, шашларын жайып жүрмесин ҳәм кийимлерин жыртпасын.
11. Ол ҳеш қандай өлиге жақынласпасын, ҳәттеки қайтыс болған әкеси, я анасы болса да, өзин ҳарамламасын.
12. Аза тутыў ушын, ол Мухаддес шатырдағы хызметин қалдырмасын, Қудайдың Мухаддес шатырын ҳарамламасын. Себеби майланған руўханий Қудайына бағышланған. Мен – Жаратқан Ийемен.
13. Бас руўханий тек ғана пәк қызға үйленсин.
14. Ол жесир, күйеўинен ажырасқан, зорланған ямаса бузық ҳаялға үйленбесин. Тек ғана өз халқынан болған пәк қызға үйленсин.
15. Солай етип, ол мухаддес әўладын ҳарам болыўдан сақласын. Мен оны Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылған Жаратқан Ийемен».
16. Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
17. – Харонға былай деп айт: «Келешекте әўладыңнан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам аўқат сыпатында берилетуғын сыйды усыныў ушын Қудайына жақынламасын.
18. Денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам қурбанлық орынға жақынламасын: соқыр, ақсақ, майып, сықылсыз,
19. аяғы ямаса қолы сынық,
20. бүкир, иргежейли, көзинде кемшилиги бар, қышыма жарасы бар, қотыр ҳәм жынысый қос туқым бези езилген адам.
21. Руўханий Харонның урпағынан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам Жаратқан Ийениң аўқатын, яғный Оған арналған сыйларды усыныў ушын қурбанлық орынға жақынламасын.
22. Деген менен, ол адам Қудайына усынылған мухаддес ҳәм ең мухаддес аўқаттан жеўине болады.
23. Бирақ ол Мухаддес бөлмедеги пердеге ҳәм қурбанлық орынға жақынламасын. Себеби оның денесинде кемшилиги бар. Ол мухаддес затларға жақынлап, оларды ҳарамламасын. Мен оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен».
24. Муўса Харон менен улларына ҳәм пүткил Израил халқына усыларды жәриялады.

2. – Харонға ҳәм оның улларына былай деп айт: «Израил халқының Маған беретуғын мухаддес сыйларына ҳүрмет пенен қарасын, Мениң мухаддес атыма тил тийгизбесин. Мен – Жаратқан Ийемен.
3. Егер әўладыңыздан бири Израил халқының Маған алып келген мухаддес сыйларына ҳарам ҳалда жақынласса, ол Мениң дәргайымнан жоқ қылынады. Мен – Жаратқан Ийемен.
4. Харон урпағынан жаман тери кеселлигине дуўшар болған ямаса жынысый ағзасынан ириң ажыралып шыққан биреўи таза болмағанша, мухаддес сыйларды жемесин. Өли денеге тийгени ушын ҳарам саналған бир нәрсеге жантасқан, урығы аққан,
5. адамды ҳарам қылатуғын жер баўырлаўшылардың бирине ямаса бир нәрседен ҳарам саналған бир адамға жантасқан
6. руўханий кешке дейин ҳарам саналады. Ол суўға жуўынбағанша мухаддес сыйлардан жемесин.
7. Күн батқаннан соң, ол таза саналады ҳәм мухаддес сыйлардан жеўине болады. Өйткени бул оның аўқаты болып есапланады.
8. Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен баўызланған өликти жеп, руўханий өзин ҳарамламасын. Жаратқан Ийе – Мен боламан.
9. Руўханийлер Мениң буйрықларыма әмел қылсын. Болмаса гүналарының жазасын тартады, буйрықларымды писент етпегени ушын өледи. Мен – оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
10. Руўханийдиң шаңарақ ағзаларынан болмаған басқа ҳеш ким, руўханийдиң үйинде ўақтынша жасап атырған адам болсын, хызметшиси болсын, мухаддес сыйлардан жемесин.
11. Бирақ руўханийдиң пулға сатып алған ямаса үйинде туўылған қул ҳәм шорылары оның аўқатынан жеўине болады.
12. Руўханийдиң қызы руўханий болмаған адамға турмысқа шықса, ол бағышлап усынылған мухаддес сыйлардан жемесин.
13. Бирақ ол баласы болмай, жесир қалған болса ямаса күйеўинен айырылысқан болса ҳәм әкесиниң үйине қайтып келгеннен соң, қыз ўақтындағыдай үйинде жасаса, онда әкесиниң аўқатынан жеўине болады. Ал руўханийдиң шаңарағынан болмаған ҳеш бир адам оннан жемесин.
14. Егер ким де ким билместен мухаддес сыйдан жеп қойса, ол сол сыйдың орнын толтырып, үстине бестен бир бөлегин қосып, руўханийге қайтарып берсин.
15. Руўханийлер Израил халқының Жаратқан Ийеге алып келген мухаддес сыйларын басқа израиллылардың жеўине жол қойып, өзлерине тийисли мухаддес сыйларды ҳарамламасын. Болмаса израиллылар гүнаға батып, жазаға тартылады. Себеби Мен – қурбанлықларды Өзиме ажыратып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен»
16. .
17. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18. – Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Израил халқынан ямаса израиллылар арасында жасап атырған келгиндилерден бири Жаратқан Ийеге берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен жандырылатуғын қурбанлық бермекши болса,
19. қурбанлығының қабыл етилиўи ушын, минсиз бир еркек ири мал ямаса майда мал алып келсин.
20. Кемшилиги бар ҳеш бир ҳайўанды қурбанлыққа усынбаңлар. Өйткени булар қабыл етилмейди.
21. Ким де ким берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў ушын ири мал ямаса майда мал алып келсе, оның қабыл етилиўи ушын әкелген малы минсиз болыўы тийис. Оның ҳеш қандай кемшилиги болмасын.
22. Соқыр, майып, жарақатланған, ириңли жарасы бар, қышыма жарасы бар ямаса қотыры бар малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар ҳәм Оған сый қылып, қурбанлық орынның үстине қоймаңлар.
23. Ал мүшелериниң бири узын ямаса келте болған ири мал ямаса майда малды ықтыярлы түрде беретуғын қурбанлық ушын усыныўыңызға болады. Бирақ бундай малды ўәде етилген қурбанлық етип усынбаң, ол қабыл етилмейди.
24. Туқым бези езилген, жулынып қалған ямаса кесип тасланған малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар, елиңизде буған ҳеш қашан жол қоймаңлар.
25. Усындай кемшилиги бар малды жат жерли адамнан алып, Қудайға аўқат сыпатында қурбанлық етип бермең. Себеби бул мал зыянланған ҳәм кемшилиги бар. Ол қабыл етилмейди».
26. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
27. – Бузаў, қозы ямаса ылақ жаңа туўылған ўақтында жети күн анасының қасында болсын. Сегизинши күннен баслап, оны Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық етип берсеңиз болады.
28. Ири ямаса майда малды туўған баласы менен бирге бир күнде соймаңлар.
29. Жаратқан Ийеге миннетдаршылық қурбанлығын берген ўақытта, оны қабыл етилетуғын түрде усының.
30. Оның гөшин сол күни жеп таслаң, азанға дейин аўыстырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.
31. Буйрықларыма бойсынып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен.
32. Мениң мухаддес атыма тил тийгизбеңлер. Израил халқы Мени мухаддес деп тән алсын. Сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
33. Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мен – Жаратқан Ийемен.

2. – Израил халқына былай деп айт: «Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын байрамларым, Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар болады:
3. Алты күн жумыс ислеңлер. Бирақ жетинши күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни ҳәм мухаддес жыйналыс күни болады. Ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Қайсы жерде жасасаңыз да, Шаббат күнин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар+
4. Белгиленген ўақытта мухаддес жыйналыс деп жәрия қылатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар:
5. Биринши айдың он төртинши күни кеште Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар.
6. Он бесинши күни Жаратқан Ийеге арналған Ашытқысыз нан байрамы болсын. Солай етип, жети күн ашытқысыз нан жеңлер.
7. Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс болсын. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
8. Жети күн даўамында Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бериңлер. Жетинши күни мухаддес жыйналыс болсын. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер».
9. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10. – Израил халқына былай деп айт: «Сизлерге беретуғын елге кирип, арпа зүрәәтин жыйнағаныңызда, жыйнаған зүрәәтиңиздиң биринши баўын руўханийге әкелип бериң.
11. Қабыл етилиўи ушын, Шаббат күнинен кейинги күни руўханий баўды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
12. Баў жоқары көтерип усынылған күни Жаратқан Ийеге бир жасар минсиз еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
13. Тоқлы менен бирге ғәлле садақасы қылып, зәйтүн майы араластырылған бир эфа сапалы унның оннан екисин берсин. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге ишимлик садақасы етип, бир ҳин шараптың төрттен бирин усының.
14. Қудайыңызға усы садақаны алып келетуғын күнге дейин нан, қуўырмаш ҳәм жаңа пискен дән жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, бул әўладлар даўамында сизлерге мәңги қағыйда болсын.
15. Шаббат күнинен кейинги баўды жоқары көтерип усынған күннен баслап, жети ҳәпте санаң.
16. Жетинши Шаббаттан кейин, елиўинши күн басланғанда, Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа әкелиң.
17. Жасап атырған жериңизден Жаратқан Ийеге жоқары көтерип усынылатуғын садақа етип, еки нан алып келиң. Нанлар биринши зүрәәтиңизден болып, оннан еки эфа сапалы уннан ашытқы салынып жаўылсын ҳәм буны Жаратқан Ийеге усының.
18. Нан менен бирге жандырылатуғын қурбанлық ушын, Жаратқан Ийеге бир жасардан болған минсиз жети еркек тоқлы, бир буға ҳәм еки қошқарды алып келиң. Ғәлле ҳәм ишимлик садақасы менен усынылатуғын бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
19. Гүна қурбанлығына бир теке, татыўлық қурбанлығына бир жасардан еки тоқлы алып келиңлер.
20. Руўханий еки тоқлыны биринши бийдай зүрәәтинен жабылған нан менен бирге, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. Жаратқан Ийеге бағышланып, мухаддес болған бул қурбанлықлар руўханийлерге тийисли.
21. Сол күнди мухаддес жыйналыс деп жәриялаңлар ҳәм күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын.
22. Жериңиздеги егинлерди жыйнағаныңызда, атызыңыздың шетине дейин орып алмаң. Түсип қалған масақларды жыйнап алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
23. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24. – Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың биринши күни дем алыс күни болсын. Сол күни кәрнай шертилип, еслеў күни белгиленсин ҳәм мухаддес жыйналыс өткерилсин.
25. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер, Жаратқан Ийеге қурбанлықлар усыныңлар».
26. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
27. – Жетинши айдың оныншы күни Гүнадан пәклениў күни. Сол күни мухаддес жыйналыс болсын ҳәм ораза тутып, Жаратқан Ийеге сый усыныңлар.
28. Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында гүналарыңыздан пәкленетуғын күниңиз болады.
29. Сол күни ораза тутпаған ҳәр бир адам өз халқы арасынан жоқ қылынады.
30. Сол күни қандай да бир жумыс ислеген адамды өз халқы арасынан жоқ етемен.
31. Ҳеш қандай жумыс ислемең. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
32. Сол күни сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болып, ораза тутыңлар. Айдың тоғызыншы күниниң кешинен баслап, ертеңги кешке дейин Шаббат күнин белгилеңлер.
33. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
34. – Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилеңлер.
35. Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериңлер. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
36. Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
37. Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар усылар болады. Байрамларда Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын, басқа қурбанлықларды ҳәм ишимлик садақаларын белгиленген өз күнлеринде алып келиңлер.
38. Булар Жаратқан Ийениң Шаббатынан, Жаратқан Ийеге арнап алып келетуғын сыйларыңыздан, ўәде ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары болсын.
39. Жерлериңиздиң зүрәәтлерин жыйнап болған ўақтыңызда, жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап Қос байрамын өткизиң. Байрамның биринши ҳәм сегизинши күни дем алыс күни болсын.
40. Биринши күни мийўе ағашларыңыздың ең жақсы мийўелерин, пальма ағашының жапырақларын, мол жапырақлы теректиң талларын, дәрья бойында өсетуғын таллардың шақаларын жыйнап, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында жети күн даўамында шадланыңлар.
41. Буны ҳәр жылы жети күн даўамында Жаратқан Ийениң байрамы етип белгилеңлер. Жылдың жетинши айында белгиленетуғын усы байрам әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болып қалсын.
42. Жети күн даўамында қоста жасаңлар. Ҳәр бир жергиликли израиллы қосларда жасасын.
43. Сонда келешек әўладларыңыз Израил халқын Мысырдан алып шыққан ўақтымда, олардың қосларда жасағанын билип алады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
44. Усылай етип, Муўса Израил халқына Жаратқан Ийеге арналған байрамларын жәриялады.

2. – Израил халқына буйрық бер, олар шыралардың ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, сапалы зәйтүн майынан алып келсин.
3. Харон Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында шыралардың кештен таңға дейин Мениң алдымда сөнбей жанып турыўын тәмийинлесин. Бул әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын.
4. Харон сап алтыннан исленген шыра қойғыштың үстине шыраларды орнатсын. Шыралар Жаратқан Ийениң алдында ҳәмме ўақытта үзликсиз жанып турсын.
5. – Сапалы уннан он еки шөрек нан жап. Ҳәр бир нан оннан еки эфа муғдарындағы уннан жабылсын.
6. Оларды Жаратқан Ийениң алдындағы сап алтыннан исленген столға алтаў-алтаўдан еки жерге үсти-үстине қой.
7. Булардың қасына таза хош ийисли шайырдан қойып шық. Бул хош ийисли шайыр нанның орнына толық садақаның белгиси етип, Жаратқан Ийеге усынылады.
8. Ҳәр Шаббат күни бул нанлар Жаратқан Ийениң алдына қойылсын. Бул Израил халқының мәңги ўазыйпасы болсын.
9. Нанлар Харонға ҳәм оның улларына тийисли, олар нанларды мухаддес жерде жесин. Өйткени бул Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлардың жүдә мухаддес бөлеги болып, олардың мәңги пайы болады.
10. Бир күни анасы израиллы, әкеси мысырлы болған бир адам ордада израиллы бир адам менен жәнжеллесип қалды.
11. Израиллы ҳаялдың улы Жаратқан Ийеге тил тийгизип, нәлет айтты. Сонда оны Муўсаның алдына алып келди. Сол жигиттиң анасы Дан урыўынан болған Дибрийдиң қызы Шеломит еди.
12. Сол адамды қамаққа алып, Жаратқан Ийениң ҳүкимин күтти.
13. Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
14. – Оны орданың сыртына алып шығың. Ол айтқан нәлетти еситкен ҳәр бир адам қолларын сол адамның басына қойсын ҳәм пүткил жәмийет оны тас боран қылсын.
15. Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким Қудайын нәлетлесе, гүнасының жазасын тартады,
16. яғный Жаратқан Ийеге тил тийгизген адам сөзсиз өлтириледи. Пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамның келгинди ямаса жергиликли адам болыўына қарамастан, ол өлтирилсин.
17. Адам өлтирген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин.
18. Басқа биреўдиң малын өлтирген адам орнына бир мал берип, алған жанының орнын жан менен өтесин.
19. Ким де ким жанындағы адамды жарақатласа, оған да сондай жарақат жеткизилиўи керек.
20. Сыныққа сынық, көзге көз, тиске тис. Яғный басқаны қалай жарақатлаған болса, өзи де солай жарақатлансын.
21. Мал өлтирген адам малдың қунын төлесин, адам өлтирген болса, өлтирилсин.
22. Келгинди адам ушын да, жергиликли адам ушын да бирдей нызам қолланылады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
23. Муўса буларды Израил халқына айтып болғаннан соң, халық Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамды орданың сыртына алып шықты да, оны тас боран қылып өлтирди. Солай етип, Израил халқы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығын орынлады.

1. Жаратқан Ийе Синай таўында Муўсаға былай деди:
2. – Израил халқына былай деп айт: «Мен сизлерге берип атырған елге киргениңизде, Жаратқан Ийениң ҳүрметине ҳәр жетинши жылы жерге егин екпей, дем алыс бериң.
3. Алты жыл атызларыңызға егин егиңлер, жүзимлердиң шақаларын путап, өнимлерин жыйнаңлар.
4. Бирақ жетинши жылы жер ушын дем алыс жылы, яғный Жаратқан Ийеге арналған Шаббат жылы болсын. Атызларға егин екпеңлер, жүзимзарларыңызды путамаңлар.
5. Өзлигинен өсип шыққан ҳасылды орып, шақалары путаланбаған жүзимлерди сақлап қойыў ушын, жыйнап алмаңлар. Жер толығы менен бир жыл дем алсын.
6. Дем алыс жылында өзлигинен өсип шыққан ҳәр қандай жердиң өниминиң өзи сизлер ушын, қул ҳәм шорыларыңыз, жалланба хызметшилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер ушын аўқат болады.
7. Жерде өсип шыққан ҳасыллар малларыңызға да, жабайы ҳайўанларға да азық болады».
8. «Жети жылда бир мәрте белгиленетуғын Шаббат жылының жети мәрте өтиўин бақлаң. Шаббат жылы жети мәрте өткенде, барлығы болып қырық тоғыз жыл болады.
9. Кейинги жылдың жетинши айының оныншы күни, яғный Гүнадан пәклениў күни пүткил ел бойлап қатты даўыслап кәрнай шертилсин.
10. Усы елиўинши жылды мухаддес деп санаңлар ҳәм пүткил ел халқы ушын азатлық жәриялаңлар. Усы жыл сизлер ушын Қутлы жыл болады. Ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын ҳәм қул болған ҳәр бир адам азат болып, өз тийресине қайтсын.
11. Елиўинши жыл сизлер ушын Қутлы жыл болсын. Усы жылы егин екпеңлер, өзи өсип шыққан егинлерди орып алып, сақламаңлар, шақасы путаланбаған жүзимлерди жыйнамаңлар.
12. Өйткени усы жыл Қутлы жыл ҳәм бул сизлер ушын мухаддес болсын. Тек атыздан туўрыдан-туўры алынған зүрәәтти жеңлер.
13. Қутлы жылда ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын.
14. Егер бир адамға жер сататуғын болсаң ямаса оннан жер сатып алатуғын болсаң, бир-бириңизге наҳақлық қылмаң.
15. Жердиң баҳасы кейинги Қутлы жылға шекемги жердиң жетистиретуғын зүрәәти бойынша баҳалансын.
16. Егер алдында еле көп жыл болса, баҳасы артсын, ал азғантай жыл қалған болса, онда баҳасы түсирилсин. Себеби саған атызды емес, ал оның зүрәәтиниң муғдарын сатады.
17. Бир-бириңизге наҳақлық қылмаңлар, Қудайыңыздан қорқыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
18. Қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынсаңыз, сонда елиңизде тынышлық ишинде жасайсызлар.
19. Жер өз зүрәәтин берип, сизлер тоясызлар ҳәм ол жерде тынышлық ишинде жасайсызлар.
20. Сизлер: „Жетинши жылы жеримизге егин екпесек, зүрәәтимизди жыйнамасақ, онда не ишип-жеймиз?“ – деп сораўыңыз мүмкин.
21. Мен алтыншы жылы сизлерге сондай берекет жиберемен, жер сизлер ушын үш жыллық зүрәәт беретуғын болады.
22. Сегизинши жылы жерлериңизге егин еккениңизде де, тоғызыншы жылы зүрәәтиңизди жыйнайман дегенше, сол алтыншы жылы жыйнаған зүрәәтиңизден жейсизлер.
23. Жериңиз пүткиллей меншикке сатылмасын. Өйткени олар Маған тийисли. Ал сизлер бул жерге келгинди ҳәм жат жерлисизлер.
24. Жерин сатқан адамға өзиниң жерин қайтарып сатып алыўына жол қойыңлар.
25. Егер туўысқанларыңыздан бири гедейленип, жериниң бир бөлегин сатып жиберген болса, оның ең жақын әменгери келип, жерди қайтарып сатып алсын.
26. Жерин сатып алатуғын әменгери болмаса, онда ол адам жағдайы жақсыланып, жетерли пул жыйнаса,
27. жерди сатқаннан кейинги жыллардың ҳәм Қутлы жылға дейинги жыллардың зүрәәтиниң баҳасын есаплап, жерди сатып алған адамға төлесин. Соннан кейин, ол өз жерине өзи ийелик қылсын.
28. Ал оның жерин қайтарып сатып алатуғын пулы болмаса, жер Қутлы жылға дейин сатып алған адамға тийисли болып турады. Сол жылы жер сатып алған адамнан алынып, сатқан адам өз жерине қайтадан ийелик қылсын.
29. Егер ким де ким дийўал менен қоршалған қала ишиндеги үйин сатса, сатқан адам бир жылға дейин үйин қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады.
30. Егер ол үйин бир жыл ишинде қайтарып сатып ала алмаса, онда үй сатып алған адамның мүлкине айланып, ол ҳәм оның нәсили үйдиң мәңги ийеси болып қалады. Қутлы жылда да үй жаңа ийесиниң қолынан қайтарып алынбайды.
31. Ал дийўал менен қоршалмаған аўыллардағы үйлер атызлар сыяқлы есаплансын. Бундай үйлерди алдынғы ийеси қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады, Қутлы жылда үйди сатып алған адам оны қайтарып бериўи тийис.
32. Ал лебийлилер өзлерине тийисли қалаларда сатқан үйлерин ҳәмме ўақытта қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болсын.
33. Лебийлилер қайтарып сатып алатуғын усындай мүликлер, яғный лебийлилерге тийисли болған қалалардағы сатылған ҳәр бир үйлер Қутлы жылда өз ийесине қайтарып берилсин. Себеби қалалардағы лебийлилердиң үйлери Израил халқының арасындағы олардың мүлки болып есапланады.
34. Олардың қалаларының әтирапындағы жайлаўлар болса, улыўма сатылмасын. Өйткени булар олардың мәңгилик мүлки».
35. «Егер бир туўысқаныңыз жарлыланып, мүтәж аўҳалға түсип қалса, оған жәрдем бериң. Ол сизлердиң араңызда келгинди ямаса жат жерли сыяқлы жасасын.
36. Ол адамнан пул ҳәм аўқат ушын үстеме өндирип алмаң. Қудайдан қорқың, туўысқаныңыздың араңызда жасаўына жол қойың.
37. Оған үстеме берип, пул өндирмең ҳәм аўқатты өзиңизге кирис қылыў ушын бермеңлер.
38. Мен Қанан елин сизлерге бериў ушын ҳәм Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарып алған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
39. Егер араңызда жасап атырған израиллы бир туўысқаныңыз жарлыланып қалса ҳәм ол қул сыпатында саған сатылса, оны қулдай етип жумсамаң.
40. Оған үйиңиздеги жалланба жумысшы ямаса келгинди сыяқлы қатнаста болың. Ол саған Қутлы жылға дейин хызмет қылсын.
41. Қутлы жылда балалары менен бирге азат болсын. Олар өз тийресине, ата- бабаларының жер мүлкине қайтсын.
42. Себеби израиллылар Мениң Мысырдан шығарып алған қулларым болады. Сонлықтан олар қул сыяқлы сатылмасын.
43. Оған хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң. Қудайыңыздан қорқың.
44. Қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз әтирапыңыздағы халықлардан болсын. Қул ҳәм шорыны олардың арасынан сатып алыўыңызға болады.
45. Және де, араңызда жасап атырған келгиндилердиң балаларын сатып алып, оларға хожайын бола аласызлар.
46. Оларды мийрас қылып, балаларыңызға қалдырып кете аласызлар. Олар өмир бойы сизлерге қул болады. Бирақ израиллы туўысқанларыңыздың бирине хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң.
47. Араңызда жасап атырған келгинди ямаса жат жерли бир адам байып кетип, гедейленген бир израиллы туўысқаныңыз оған ямаса оның урпақларынан бирине қул сыпатында сатылса,
48. израиллы адам қуны төленип, азат болыў ҳуқықына ийе болады. Оның ағайин-туўғанларының бири оның қунын төлеп, азат қылсын.
49. Сондай-ақ әкесиниң ағасы, аталас туўысқаны ямаса жақын ағайинлериниң бири оны қайтарып сатып алып, оны азат қылыўы мүмкин. Ямаса өзи жетерли пул топласа, өзиниң азатлығын қайтарып алыўына болды.
50. Ол хожайыны менен есапласыўы керек. Өзин сатқан жылдан Қутлы жылға дейинги жылларды есапласын. Азатлығының қуны қалған жыллардың саны бойынша бир жумысшының күнлик ис ҳақысының есабы бойынша төленсин.
51. Егер де Қутлы жылға көп жыллар қалса, онда азатлық қунын өзи сатылған баҳаға тийкарланып төлесин.
52. Егер Қутлы жылға азғантай жыл қалса, онда усы бойынша есапласып, өзиниң азатлық қунын төлесин.
53. Ол хожайынының қасында бир жылға жалланған жумысшы сыяқлы болып жасаўы керек. Хожайынының оған қатал қатнаста болыўына жол қойма.
54. Егер сатылған туўысқаныңыз усы жоллар менен азат бола алмаса, Қутлы жылда балалары менен бирге азат етилсин.
55. Өйткени израиллылар Мениң қулларым, Мысырдан Өзим шығарып алған қулларым болады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».

1. «Өзлериңизге жалған қудайлардың мүсинлерин ислемеңлер, кийели тасларды ямаса ойып исленген тасларды орнатпаңлар. Себеби Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
2. Мениң Шаббатыма әмел қылып, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.
3. Егер қағыйдаларым бойынша жасап, буйрықларымды дыққат пенен орынлап жүрсеңиз,
4. жаўынды өз ўақтында жаўдыраман. Жер өз зүрәәтин, мийўе ағашлар өз мийўелерин береди.
5. Зүрәәтиңиз соншелли мол болғанлықтан, жүзим жыйнайтуғын ўақытқа дейин қырман айдайсызлар, егис ўақтына дейин жүзим жыйнайсызлар. Азық-аўқатыңыз көп болады ҳәм елиңизде қәўипсиз жасайсызлар.
6. Елиңизде тынышлық сақлайман, тыныш жатып-турасызлар, ҳеш ким сизлерди қорқыта алмайды. Жыртқыш ҳайўанларды жериңизден қуўып шығараман. Жериңиз саўаш себепли ўайран болмайды.
7. Душпанларыңызды қуўасызлар, олар сизлердиң қылышларыңыздың соққысынан алдыңызда жерге қулайды.
8. Бесеўиңиз жүз адамды, жүзиңиз он мың адамды қуўатуғын боласызлар. Душпанларыңызды қылыштан өткерип, жеңиске ерисесизлер.
9. Сизлерге Өз нәзеримди саламан, сизлерди өсип-өндирип, көбейтемен. Сизлер менен дүзген келисимиме садық қаламан.
10. Бурынғы зүрәәтиңизди жеп таўыса алмайсызлар. Жаңадан алған зүрәәтиңизге орын босатыў ушын бурынғы зүрәәтиңизди шығарып таслайтуғын боласызлар.
11. Мәкан жайымды сизлердиң араңызға қураман, сизлерден жеркенип, жүз бурмайман.
12. Сизлердиң араңызда жасайтуғын Қудайыңыз боламан. Сизлер де Мениң халқым боласызлар.
13. Мен сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан қутқарған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мойынтырығыңызды сындырып тасладым ҳәм басларыңызды көтерип жүриўге мүмкиншилик бердим».
14. «Бирақ Маған қулақ аспай, пүткил буйрықларымды орынламасаңыз, жазаланасызлар.
15. Қағыйдаларымнан жүз бурып, нызамларымнан жеркенип, буйрықларыма бойсынбасаңыз ҳәм келисимимди бузсаңыз,
16. онда сизлерге мынадай жаза жиберемен: үстиңизге қорқыныш дөндиремен. Өкпе кеселлиги ҳәм ысытпа көзлериңиздиң нурын сөндирип, жаныңызды кемиреди. Туқымды босқа егетуғын боласызлар, себеби зүрәәтиңизди душпанларыңыз жейтуғын болады.
17. Сизлерге Өзим қарсы шығаман. Душпанларыңыз сизлердиң үстиңизден жеңиске ериседи. Сизлерди жек көретуғынлар сизлерге ҳүкимдарлық қылады ҳәм изиңизден ҳеш ким қуўмаса да, қашатуғын боласызлар.
18. Егер буларға да қарамай, Маған қулақ салмасаңыз, гүналарыңыздың жазасын жети есе арттыраман.
19. Қайсар менменлигиңизди жоқ қыламан. Аспаныңызды темир сыяқлы, жериңизди қола сыяқлы қыламан.
20. Күшиңизди босқа сарплайсызлар, жериңиз өз зүрәәтин, мийўе ағашларыңыз мийўесин бермейтуғын болады.
21. Егер буннан кейин де қарсы шығыўды даўам етсеңиз, Маған қулақ салыўды қәлемесеңиз, гүналарыңыздың жазасын жети есеге арттыраман.
22. Сизлерге қарсы жабайы ҳайўанларды жиберемен. Олар сизлерди балаларыңыздан айырып, малларыңызды қырып таслайды. Сонда сизлердиң саныңыз азайып, жолларыңыз босап қалады.
23. Буның менен де туўры жолға түспей, Маған қарсы шығыўды даўам етсеңиз,
24. Мен де сизлерге қарсы шығып, гүналарыңыз ушын сизлерди жети есе жазалайман.
25. Келисимимди бузғаныңыз ушын басыңызға саўаш дөндирип, жазалайман. Қалаларыңызға шегинип, тығылсаңыз, араңызға иллет жиберемен ҳәм сизлерди душпаныңызға тәслим қыламан.
26. Бир тислем нанға зар қыламан. Сонда он ҳаял нанларын бир тандырда жабатуғын болады. Наныңыз аз-аздан, өлшеп берилетуғын болады. Сизлер буны жегениңиз бенен де, буған тоймайсызлар.
27. Булардан кейин де Маған және қулақ салмай, Маған қарсы шықсаңыз,
28. онда Мен де ғәзеп пенен сизлерге қарсы шығаман ҳәм гүналарыңыздың жазасын жети есеге көбейтемен.
29. Ашлық себепли ул-қызларыңыздың денесин жейтуғын боласызлар.
30. Табынатуғын орынларыңызды қулатып, түтетки түтетилетуғын орынларыңызды жоқ қыламан. Өликлериңизди жансыз бутларыңызға қосып үйемен, сизлерден жеркенетуғын боламан.
31. Қалаларыңызды ўайран қылып, мухаддес орынларыңызды бузып таслайман. Маған усынған хош ийисли садақаларыңызды қабыл етпеймен.
32. Елиңизди ўайран қыламан, ол жерге жайласатуғын душпанларыңыз бул аўҳалға қатты таң қалысатуғын болады.
33. Сизлерди болса, басқа халықлардың арасына тарқатып жиберип, қылышым менен сизлердиң изиңизге түсип аламан. Елиңиз босап қалады, қалаларыңыз ўайран болады.
34. Сизлер душпанларыңыздың елинде жасап атырғаныңызда, жериңиз босап қалады. Сол ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады.
35. Жериңиз ўайран болып, босап қалған ўақытта дем алады. Себеби сизлер елиңизде жасап атырған ўақтыңызда, Шаббат жыллары жериңизге дем бермеген едиңиз.
36. Душпанларыңыздың жерлеринде аман қалғанларыңыздың жүрегине сондай бир қорқыныш саламан, ҳәттеки, жапырақтың сытырлысынан да қылыштан қашқандай болып қашасызлар. Сизлердиң изиңизден ҳеш ким түспесе де, қашып, жығыласызлар.
37. Сизлерди ҳеш ким қуўмаса да, қылыштан қашқандай болып, бир-бириңизге сүрнигип жығыласызлар. Душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар.
38. Солай етип, басқа халықлардың арасында жоқ боласызлар. Душпанларыңыздың жерлери сизлерди жутып жибереди.
39. Аман қалғанларыңыз болса, душпан жерлеринде өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары себепли димарыңыз қурып, азап шегесизлер.
40. Бирақ сизлер өзлериңиздиң ҳәм ата-бабаларыңыздың гүналарын, Маған қыянет еткенлериңизди ҳәм Маған қарсы ислеген ислериңизди тән аласызлар.
41. Себеби гүналарыңыз себепли сизлерге қарсы шығып, душпанларыңыздың жерине алып бардым. Енди тас жүреклериңизди жумсартып, айыпларыңыздың жазасын өтейсизлер.
42. Сонда Мен де Яқып, Ысақ ҳәм Ибрайым менен дүзген келисимимди ҳәм сизлерге ўәде қылып берген жерди еслеймен.
43. Ел ўайран болып, босап қалған ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. Сизлер ислеген гүналарыңыздың жаза мүддетин өтейсизлер, өйткени сизлер нызамларымнан бас тартып, қағыйдаларымнан жеркендиңиз.
44. Буларға қарамай, Мен душпан жерлеринде болған сизлерден бас тартпайман, сизлерден жеркенип, толығы менен қырып тасламайман. Сизлер менен дүзген келисимимди бузбайман. Себеби Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
45. Қудайыңыз болыў ушын, басқа халықлардың көз алдында Мысырдан алып шыққан ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисимимди сизлер ушын еслеймен. Мен – Жаратқан Ийемен».
46. Жаратқан Ийениң Синай таўында Муўса арқалы Израил халқына берген қағыйдалары, нызамлары ҳәм көрсетпелери усылардан ибарат еди.

2. – Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким бир адамды Жаратқан Ийеге бағышлаўға ўәде берсе, сол адамның қуны ушын берилетуғын төлеми төмендегидей мөлшерде болсын.
3. Бул төлемниң қуны мынадай болады: жигирма жастан алпыс жасқа дейинги ер адамлар ушын Мухаддес орын өлшеми менен елиў шекел гүмис,
4. ал ҳаяллар ушын отыз шекел гүмис.
5. Бес жастан жигирма жасқа дейинги ер адамлар ушын жигирма шекел, ал ҳаял-қызлар ушын он шекел.
6. Бир айлық бөпеден бес жасқа дейин болған ер балалар ушын бес, қызлар ушын үш шекел гүмис.
7. Егер алпыс ямаса оннан жоқары жаста болса, онда еркеклер ушын он бес шекел гүмис, ал ҳаяллар ушын он шекел гүмис төленсин.
8. Егер ўәде берген адам жарлы болып, белгиленген баҳаны төлеўге шамасы келмесе, бағышланған адамды руўханийге алып барсын. Руўханий ўәде берген адамның жағдайына қарай, баҳа белгилесин.
9. Егер Жаратқан Ийеге ўәде қылынған мал қурбанлыққа шалыўға болатуғын мал болса, ол Жаратқан Ийеге бағышланған мухаддес болып есапланады.
10. Ўәде қылған адам Жаратқан Ийеге бағышлаған малын жақсысының орнына жаманын ямаса жаманының орнына жақсысын алмастырмасын. Егер ол малды алмастырса, алмастырылған мал менен екеўи де Қудайға тийисли болып, мухаддес саналады.
11. Егер Жаратқан Ийеге арнап әкелинген сый ҳарам саналған маллардан болса, оны руўханийге алып барсын.
12. Руўханий малдың жақсы-жаманына қарап, баҳа белгилесин ҳәм оның баҳасы солай қалсын.
13. Егер ийеси малды қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханий тәрепинен белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин.
14. Егер бир адам өзиниң үйин сый қылып, Жаратқан Ийеге бағышласа, руўханий үйдиң жақсы-жаманына қарап, оның баҳасын белгилесин. Руўханий үйге қандай баҳа белгилесе, үйдиң баҳасы сондай болады.
15. Егер сол адам бағышлаған үйин қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханийдиң белгилеген баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда үй қайтадан өзиники болып қалады.
16. Егер бир адам бабасынан қалған мийрас атызының бир бөлегин Жаратқан Ийеге бағышлаўды қәлесе, атызға егилетуғын туқымның муғдары бойынша баҳасы белгиленсин. Бир хомер арпа туқымы егилетуғын атыздың баҳасы елиў шекел гүмис болады.
17. Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын.
18. Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады.
19. Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады.
20. Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды.
21. Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады.
22. Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа,
23. руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни- ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
24. Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин.
25. Ҳәр бир белгиленген баҳа Мухаддес орынның шекели бойынша белгиленсин. Бир шекел жигирма герадан ибарат.
26. Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллери Жаратқан Ийеники болып, олардың ҳеш қайсысын Жаратқан Ийеге бағышламаң. Себеби ол Жаратқан Ийеге тийисли.
27. Бирақ биринши туўылған мал ҳарам саналған маллардан болса, ол ушын руўханийдиң белгилеген баҳасын ҳәм оның үстине бестен бир бөлегин қосып төлеп, малды қайтарып алыўына болады. Егер ол қайтарып алынбаса, онда мал белгиленген баҳаға басқа биреўге сатылады.
28. Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам, мал ҳәм мийрастан қалған атыздың ҳеш бири сатылмасын ҳәм қайтарып алынбасын. Өйткени Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге тийисли болып, жүдә мухаддес саналады.
29. Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам ақшаға қайтарып сатып алынбасын, ол сөзсиз өлтирилсин.
30. Жердиң зүрәәти болсын, мийўе ағаштың жемиси болсын, жерден өнип шығатуғын ҳәр бир зүрәәттиң оннан бири Жаратқан Ийеге тийисли. Булар Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
31. Егер бир адам оннан бириниң бир бөлегин қайтарып алыўды қәлесе, онда ол баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлеўи тийис.
32. Барлық ири ҳәм майда маллардың оннан бирине келсек, шопанның таяғының астынан өткен ҳәр бир оныншы мал Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
33. Ҳеш ким малларды жақсы ҳәм жаман деп айырып, бир-бири менен алмастырмасын. Егер де мал алмастырылса, онда еки мал да мухаддес саналады ҳәм оны қайтарып сатып алыўға болмайды».
34. Жаратқан Ийениң Синай таўында Израил халқына Муўса арқалы берген буйрықлары усылар еди.

YouTube Каракалпак аудиокитап!
► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha
Мухаддес Китап
- Жаратылыс
- Шыгыу
- Лебийлилер
- Санлар
- Нызамнын кайталаныуы
- Ешуа
- Бийлер
- Рут
- 1 Патшалар
- 2 Патшалар
- 3 Патшалар
- 4 Патшалар
- 1 Жылнама
- 2 Жылнама
- Эзра
- Нехемия
- Эстер
- Аюп
- Забур
- Ҳикметлер
- Ўазшы
- Қосықлар Қосығы
- Ийшая
- Еремия
- Жоқлаў
- Езекиел
- Даниел
- Ҳошеа
- Иоел
- Амос
- Обадия
- Юнус
- Миха
- Нахум
- Хабаққуқ
- Сефания
- Хаггай
- Зехария
- Малахия
- Матта
- Марк
- Лука
- Юхан
- Елшилер
- Яқып
- 1 Петр
- 2 Петр
- 1 Юхан
- 2 Юхан
- 3 Юхан
- Яҳуда
- Римлилер
- 1 Коринфлилер
- 2 Коринфлилер
- Галатиялылар
- Ефеслилер
- Филиплилер
- Колосалылар
- 1 Салоникалылар
- 2 Салоникалылар
- 1 Тимофей
- 2 Тимофей
- Титус
- Филимон
- Еврейлер
- Аян

• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)
ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.
1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады
2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.
3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.
4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.

• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)