Мухаддес Китап

Миха

1. Яҳуда патшалары Иотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары морешетли Миха пайғамбарға Самария ҳәм Ерусалим ҳаққында аян болып, Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2. Ҳәй, пүткил халықлар, қулақ салың! Ҳәй, жер жүзи ҳәм онда жасаўшылар, тыңлаң! Қудай Ийе Өз мухаддес Ибадатханасынан сизлерге қарсы гүўалық береди.
3. Мине, Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып келер, Жер жүзине түсип, таўлар төбеси менен жүрер.
4. Сонда мум отта ерип кеткениндей, Таўлар Оның аяғы астында ерип кетер. Төбешиклерден суў ағып түскениндей, Олар ойпатлыққа қарай төгилер.
5. Булардың барлығы Яқып урпағының көтерилиси, Израил халқының гүналары себепли болар. Яқып урпағының көтерилисине ким жуўапкер? Олардың бас қаласы Самария емес пе? Яҳудадағы төбешиклердеги бутпаразлыққа ким жуўапкер? Бас қала Ерусалим емес пе?
6. Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди: «Самарияны қырдағы тас үйинине, Жүзим егилетуғын жерге айландыраман, Тасларын ойпатлыққа төгип, Қаланың тийкарын жалаңашлайман.
7. Самарияның барлық бутлары бөлек-бөлек етип сындырылар, Табынатуғын орынлардағы бузықшылық пенен жыйналған саўғалар жандырылар. Бутлардың барлығын жоқ етемен. Бузықлық жолы менен жыйналған саўғалар, Басқа журттағы бузықларға төлем етип алып кетилер».
8. Мен, усы себепли жылап, дад саламан, Жалаң аяқ ҳәм жалаңаш жүремен, Сағалдай уўылдап, қайғыраман, Үкидей бозлап, аҳ ураман.
9. Себеби Самарияның жарасына шыпа жоқ, Бул жара Яҳудаға да жуқты, Жетип келди ол халқымның дәрўазасына, ҳәттеки, Ерусалимниң өзине.
10. Бул хабарды душпанымыз Гатқа еситтирмең! Олардың алдында көз жасыңызды төкпең! Бейт-Лафрада қайғыдан топыраққа аўнаң!
11. Ҳәй, Шафир халқы, Жалаңаш ҳәм шерменде ҳалында сүргинге кетесиз. Саанан турғынлары қалаларынан шықпайды, Бейт-Эсел турғынлары жоқлаў айтып, жас төгеди, Енди Бейт-Эсел сизлерге жәрдем бере алмайды.
12. Марот турғынлары қутқарылыўды, Сабырсызлық пенен күткен еди, Бирақ Жаратқан Ийе жиберген апат, Ерусалимниң дәрўазасына жетип келди.
13. Ҳәй, Лахиш турғынлары, атларыңызды саўаш арбаларына қосың, Қыз Сионды гүнаға баслаған сизлер боласыз. Өйткени сизлер Израилдан өрнек алып, гүна иследиңиз.
14. Солай екен, ҳәй, Яҳуда халқы, Морешет-Гатқа саўғаларыңызды берип, хошласа бериң. Жәрдем күтер Израил патшалары Ахзиб қаласынан, Бирақ олар алданды.
15. Ҳәй, Мареша турғынлары, Жаратқан Ийе қалаңызды басқыншылардың қолына тапсырады, Израилдың уллы басшылары Адулламдағы үңгирге жасырынады.
16. Ҳәй, Яҳуда халқы, сүйикли балаларыңыз ушын, Қайғырып, шашларыңызды алдырың, Қузғынның басындай етип, тықырлатып таслаң. Себеби сүргин етилер балаларыңыз.
1. Жынаят қылыўды ойлайтуғынлар, Ҳәттеки төсегинде жатқанда, Жаўызлық жобаластыратуғынлар, ҳәсирет шегесиз! Таң атқанда, олар дүзген жобасын жүзеге асырады. Себеби олардың соны ислеўге күши жетеди.
2. Кеўли күсеген атызларды ийелеп, Зорлық пенен үйлерди тартып алады. Олар шаңарақларды езип, мийрас жерлерин басып алып атыр.
3. Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен бул халыққа сондай бир апат таярлап атырман, Буннан ҳеш бириңиз қашып кете алмайсыз. Басыңызды көтерип, жүре алмайсыз, Себеби сондай апатшылық заман келеди.
4. Сол күн келгенде, сизлерди масқаралап, Сизлер ҳаққында мынадай қайғылы жыр айтылады: „Бизлер пүткиллей ўайран болдық! Жаратқан Ийе халқымыздың бары-жоғын басқаларға үлестирди, Жерлеримизди сатқынларға тарқатып берди“».
5. Соның ушын, Жаратқан Ийениң халқы қайтадан жерди бөлискенде, Ҳеш бириңиз шек бойынша үлес жер алмайсыз.
6. Олардың пайғамбарлары: «Булар ҳаққында пайғамбаршылық етпе, Ондай пайғамбаршылықты тоқтат, Бизлер болмаймыз шерменде», – дейди.
7. «Ҳәй, Яқыптың нәсили, Жаратқан Ийениң сабыры таўысылған ба екен? Ол усындай ислерди қылар ма еди? – деп айтыўыңыз орынлы ма? Жаратқан Ийениң сөзлери туўры жүрген адамға, Жақсылық алып келмей ме?»
8. Жаратқан Ийе былай дейди: «Жақында өз халқыңызға душпандай зулымлық қылдыңыз! Саўаштан қайтқан адамлардай қәўетерсиз жүргенлерди аңлып, Олардың ийниндеги шапанын тартып алдыңыз.
9. Халқымның ҳаялларын өзлери унатқан өз үйлеринен шығарып жибердиңиз, Жас балалардың несийбесин мәңгиге қырқып тасладыңыз.
10. Қәнекей, турың, кетиң бул жерден! Артық аман-есенлик таба алмайсыз бул елден! Өйткени гүнаңыз себепли елиңиз толық ўайран болды».
11. Жалған сөйлейтуғын өтирикши келип: «Сизлерге шарап ҳәм өткир ишимлик мол болады, деп пайғамбаршылық қыламан», – десе, Ол бул халықтың пайғамбары саналады!
12. Жаратқан Ийе былай дейди: «Бирақ ҳәй, Яқып урпағы, Мен ҳәммеңизди сөзсиз жыйнайман, Қалған израиллыларды топлайман. Қорадағы қойлардай, жайлаўдағы сүриўдей етип, Жыйнайман сизлерди бир жерге. Сонда толып-тасар елиңиз адамларға».
13. Қудай оларға жол ашады, Тутқынлықтан азат етеди. Қала дәрўазасынан шығып кетеди. Патшаңыз болған Жаратқан Ийе оларға жетекши болып, алдында жүреди.
1. Сонда мен былай дедим: «Тыңлаңлар, Яқып урпағының басшылары, Израил халқының ҳүкимдарлары! Сизлер әдалаттың не екенин билиўиңиз керек емес пе?
2. Ал сизлер болса, жақсылықтан жеркенип, Жаманлықты жақсы көресиз. Сизлер халқымның терисин сыйырып, Етин сүйегинен сылып аласыз.
3. Халқымның гөшин жейсиз: терисин сыйырып, сүйеклерин майдалайсыз, Қазанға салынатуғын гөштей, табаға писиретуғын еттей оларды туўрайсыз.
4. Жақын арада сизлер Жаратқан Ийеге жалбарынасыз, Деген менен, сол ўақытта жаўызлық ислегениңиз ушын, Ол сизлерден жүзин жасырады»+\.
5. Халқын жолдан азғырған, Өзин тойдырғанға тынышлық тилеген, Ал аўзын майламағанға урыс жәриялаған пайғамбарларға, Жаратқан Ийе былай дейди:
6. «Соның ушын, үстиңизди қараңғы түн қаплайды, Қараңғылықтан ҳеш қандай аян көре алмайсыз. Ҳәй, пайғамбарлар, сизлер ушын қуяш батады, Күндизиңиз қараңғылыққа айланады.
7. Ўәлийлер шерменде болады, Уятқа қалады палкерлер. Қудай оларға жуўап бермегени ушын, Уяттан жүзлерин жаўып алады».
8. Бирақ мен Яқып урпағына айыпларын, Израил халқына гүналарын билдириў ушын, Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке, Әдиллик ҳәм батыллыққа толаман.
9. Қулақ салың, Яқып урпағының басшылары, Израил халқының ҳүкимдарлары! Әдилликтен жеркендиңиз, Ҳақыйқатты бурмаладыңыз.
10. Қанлардың есесине тикледиңиз Сионды, Әдилсизлик жолы менен қурдыңыз Ерусалимди.
11. Басшылары пара алып, ҳүким шығарады, Руўханийлери дәмегөйлик пенен тәлим береди, Пайғамбарлары пул алып, пайғамбаршылық қылады. Сондай болса да, олар: «Жаратқан Ийе бизлер менен бирге, Басымызға түспейди ҳеш қандай апат», – деп, Жаратқан Ийеге арқа сүйегиси келеди.
12. Сонлықтан сизлер себепли Сион атыз сыяқлы сүриледи, Сизлер себепли Ерусалим қырдағы тас үйинине айланады. Ибадатхана турған таўды тоғайлық қаплайды.
1. Ақырғы күнлер келгенде, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурылған таў, Барлық таўлардан жоқары болып, Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болар. Ығып барар ол жерге халықлар.
2. Көп миллетлер келип, былай дейди: «Келиңлер, Жаратқан Ийениң таўына шығайық, Яқыптың Қудайының Үйине кирейик. Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин, Бизлер Оның жолынан жүрейик». Өйткени нызам шығар Сионнан, Жаратқан Ийениң сөзи келер Ерусалимнен.
3. Көп халықларды Жаратқан Ийе ҳүким қылар, Жақын ҳәм узақтағы күшли миллетлер арасындағы, Жәнжеллерин шешип берер. Олар қылышлардан пазналар соғар, Найзалардан орақлар ислер. Бир-бирине қылыш көтермес халықлар, Саўаш қылыўды енди үйренбес олар.
4. Ҳәр ким өз жүзимзарының, әнжир ағашының астында тыныш жасайды, Ҳеш ким оларға абай етпейди. Буны Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи айтады.
5. Барлық халықлар өз қудайларына ерсе де, Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң жолынан мәңги-бақый жүремиз.
6. Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол ақырғы күнлер келгенде, Жыйнап аларман қырғынға ушырағанларды, Топлайман қуўғын болғанларды, Азапқа дуўшар еткенлеримди.
7. Қырғынға ушырағанларды аман сақлайман, Қуўғын болғанлардан күшли халық дөретемен, Сол күннен баслап, мәңгиге Мен, Жаратқан Ийеңиз, Сион таўында оларға ҳүкимдарлық қыламан.
8. Ҳәй, сүриўдиң гүзетиў минарасы, Қыз Сионның қорғаны, Ҳүкимдарлығың өзиңе қайтар, Ҳәй, қыз Ерусалим, патшалығың қайта тикленер».
9. Ерусалим, неге сен дад салып, зарлайсаң? Патшаң болмағаны ушын ба? Толғақ тутқан ҳаялдай неге азап шегесең? Мәсләҳәтшиң өлгени ушын ба?
10. Ҳәй, қыз Сион, туўып атырған ҳаял сыяқлы, Аҳ урып, өзиңди ҳәр тәрепке тасла. Себеби қаладан шығып, шөл далаларға барып қоныслайсаң, Кейин Бабилонға әкетилип, сүргин етилесең. Бирақ ол жерде сен азатлық табасаң, Қутқарады сени Жаратқан Ийе душпан қолынан.
11. Деген менен, саған қарсы жыйналды бир талай миллетлер, Сен ҳаққында былай деп айтады олар: «Келиңлер, Сионды хорлайық, Басына түскенлерин тамаша қылайық».
12. Бирақ билмейди олар Жаратқан Ийениң нийетин, Оларды қырманға апарылатуғын дән баўларындай жыйнап атыр, Оның усы жобасын олар түсинбейди.
13. Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, қыз Сион, тур да, оларды басқылай басла! Себеби темирден қыларман сениң шақларыңды, Қоладан ислеймен сениң туяқларыңды, Езип, майдалап таслайсаң көп халықларды. Бағышлайсаң Маған алған олжаларыңды, Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийеге».
1. Ҳәй, Ерусалим, әскерлериңди топла! Душпанлар бизди қамал қылды. Олар таяқ пенен Израил ҳүкимдарының бетине урды.
2. Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Эфрата аймағындағы Бейтлеҳем, Яҳудадағы қалалардың кишкенеси болсаң да, Израилды Мениң атымнан басқаратуғын көсем сеннен шығады. Оның нәсили заманның басланыў дәўирине барып тақалады».
3. Соның ушын, ҳәмиледар ҳаял көз жарып, уллы болғанға дейин, Жаратқан Ийе Израил халқын душпанларға тәслим қылады. Кейин сол сүргиндеги қалған туўысқанлары қайтып, Израил халқына қайта қосылады.
4. Ол келип, Жаратқан Ийеден алған күши менен, Қудайы Жаратқан Ийениң атының уллылығы менен, Сүриўин бағады. Пүткил дүнья оның уллылығын тән алады.
5. Тынышлық орнатыўшы ол болады.Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, Қорғанларымызды жарып өткенде, Оларға қарсы жети жетекши ҳәм сегиз басшы тайынлаймыз.
6. Олар Ассирия жерлерине қылыш пенен, Нимрод жерлерине қанжар менен ҳүкимдарлық етеди. Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, шегарамызға кирип келсе, Бизлерди усы көсем қутқарады.
7. Көп халықлар арасында, Яқып халқының қалғанлары, Жаратқан Ийениң жиберген шығындай, Майса шөплердиң үстине жаўған жаўындай болады. Олар адамзатқа ғәрезли болмайды, Ҳеш кимнен жәрдем де күтпейди.
8. Көп миллетлер ишинде, көп халықлар арасында, Яқып халқының қалғанлары, Тоғай ҳайўанлары арасындағы арысландай, Қой сүриўи арасына кирип алған, Жас арысландай болады. Жүрген жолларында ҳәммеге күтилмегенде тасланады. Олардың қолынан ҳеш ким қутқара алмайды.
9. Ҳәй, Израил, душпанларыңды жеңесең, Барлық душпанларың қырылып кетеди.
10. Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни атларыңызды қырып таслайман, Саўаш арбаларыңызды сындырып таслайман.
11. Ўайран қыламан елиңиздеги қалаларды, Жер менен жексен қыламан барлық қорғанларыңызды.
12. Сыйқыршылыққа шек қояман, Араңызда бирде бир палкер қалдырмайман.
13. Жоқ қыламан бут ҳәм кийели тасларыңызды, Артық табынбайсыз қолларыңыз бенен ислеген бутларыңызға,
14. Араңыздағы кийели ағашларды қопарып таслайман, Қалаларыңызды жер менен жексен қыламан.
15. Маған бойсынбаған миллетлерге, Өз қәҳәр ҳәм ғәзебимди төгип, өш аламан».
1. Жаратқан Ийениң айтқан мына сөзине қулақ салың: «Қәне, турың! Шағымыңызды таўлар алдында айтың, Төбешиклер даўысыңызды еситсин».
2. Ҳәй, таўлар Жаратқан Ийениң айыплаўына қулақ салың! Ҳәй, жер жүзиниң беккем тийкарлары Оған қулақ түриң, Себеби Жаратқан Ийе Өз халқына қарсы даўын айтар, Израил халқы менен тартысар.
3. Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, халқым, Мен саған не қылдым? Қәне, жуўап бер, саған қандай аўырманлығым түсти?!
4. Мысырдан сени алып шыққан едим, Азат еткен едим қуллық мойынтырығынан. Саған жолбасшы болсын деп, Муўсаны, Харонды ҳәм Мәриямды жиберген едим.
5. Ҳәй, халқым, Моаб патшасы Балақтың сизлерге қарсы жаўыз нийетин, Беор улы Биламның оған қалай жуўап бергенин есле. Шиттимнен Гилгалға дейинги болған ўақыяларды есле, Сонда билип аласаң сени қандай етип қутқарғанымды».
6. Жаратқан Ийениң алдына не алып барайын? Жоқарыдағы Қудайға қалай сыйынайын? Оған арнап жандырылатуғын қурбанлық берейин бе? Бир жасар тананы усынайын ба?
7. Оған арнап мыңлап қошқарларды сойсам, Зәйтүн майын дәрья қылып ағызсам, Жаратқан Ийениң меннен кеўли толар ма екен? Айыбым ушын туңғыш улымды берейин бе? Гүнам ушын өз перзентимди қурбан етейин бе?
8. Ҳәй, адамзат, нениң жақсы екенин, Жаратқан Ийе билдирди саған, Оның сеннен талап қылатуғыны ибаратдур мынадан: Әдиллик қылып, сүйиспеншиликке садық бол, Мүләйим болып, Қудай менен бирге жүр.
9. Жаратқан Ийе қала халқына даўыслап былай дейди, Оған қулақ салыў – даналықдур: «Ҳәй, тыңлаң, халық ҳәм қала жәмийети!
10. Үйлерин ҳарам байлық пенен толтырып атырғанларға, Тәрезиден жеп атырғанларға қалай итибар бермейин.
11. Тәрезиден жегенине, Надурыс өлшем тас қолланғанына, Қалай шыдай аламан?
12. Зорлық қылады қаладағы байлар, Жалатайдур қала халқы да, Тиллеринен болса жалған сөзлер шығар.
13. Соның ушын, Мен сизлерди ураман, Гүналарыңыз ушын ўайран қыламан.
14. Сизлер жейсиз, бирақ тоймайсыз, Ҳәмме ўақытта аш қалады қарныңыз. Зат жыйнайсыз, оны сақлай алмайсыз, Жыйнап-тергениңизди қылыш пенен жоқ қыламан.
15. Егесиз, бирақ орып алмайсыз, Зәйтүн майын сығып аласыз, Бирақ майдан үстиңизге сүрте алмайсыз, Жүзим искенжеде жүзим сығасыз, Бирақ оның шарабынан ише алмайсыз.
16. Өйткени ердиңиз патша Омрийдиң үрп-әдетлерине, Патша Ахабтың әўладының жаўыз қылмысларына. Олардың мәсләҳәти менен жасадыңыз, Сонлықтан Мен сизлерди жоқ қыламан. Сизлерди көргенлер үстиңизден күлип, Барлық халықлардың табасына қалады».
1. Ўаҳ, сорым қурыды! Жүзимзар жыйын-терими болынып, Жазғы мийўелер терип алынғаннан соң, Шақаларынан жеўге бир солқым да таба алмаған, Бир дана әнжирге зар болған адам сыяқлыман.
2. Бул елде Қудайға садық адам қалмады, Дурыс жүрген ҳеш ким қалмады адамлар арасында. Қан төгиў ушын адамлар аңылар буққыда, Дузақ қурады туўысқанлар бир-бирине.
3. Жаманлық қылыўға шебердур олар, Ҳәмелдар ҳәм қазы пара алады. Күшли адам қәлегенин зорлық пенен қылдырады, Биргеликте ҳақлықты бузып көрсетеди.
4. Олардың ең жақсысы жантаққа уқсайды, Ҳүжданлысы болса, тикенектен бетер. Бирақ сизлер күтип турған күнлери, Жетип келди жазаланатуғын күнлери, Енди олар сасқалақлап қалады.
5. Исенбең қоңсыңызға, сүйенбең достыңызға. Қойныңызда ҳаялыңыз жатқанда, Қум қуйың аўзыңызға.
6. Өйткени сол ўақытлары ул өз әкесин хорлайды, Қыз анасының бетинен алады, Келин болса, қәйин енесине қарсы турады. Адамның душпанлары өз үй-иши болады.
7. Бирақ мен Жаратқан Ийеге көз тигемен, Қутқарыўшым болған Қудайды үмит пенен күтемен, Сөзсиз еситеди мени Қудайым мениң.
8. Жағдайымды көрип, шад болмаң, ҳәй, душпанларым! Жығылсам да, өзим тураман. Қараңғылықта қалсам да, Жаратқан Ийе маған нур болады.
9. Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Енди Оның ғәзебине шыдайман. Бирақ Ол мени жақлап, ақлайды. Жарықлыққа мени алып шығады, Сонда Оның әдиллигин көремен.
10. Душпаным буны көреди, «Қудайың Жаратқан Ийе қай жерде?» – деп масқара қылған, Сол душпаным шерменде болады. Оның қулаўын өз көзим менен көремен, Солай етип, аяқ асты болады көшедеги батпақ сыяқлы.
11. Ҳәй, Ерусалим, мынадай ўақыт келеди: Сениң дийўалларың қайта қурылады, Шегараң сениң кеңейип кетеди.
12. Сол ўақытта ҳәмме жерден халықлар келеди. Ассириядан Мысырға дейин, Мысырдан Евфрат дәрьясына дейин созылған жерлерден, Узақ теңиз бойларынан ҳәм алыс таў жанбаўырларынан, Ағып келеди көп халықлар.
13. Бирақ ишинде жасап атырғанлардың қылмысларынан, Дүнья жүзи қаңырап босап қалады.
14. Жаратқан Ийе, халқыңның шопаны бол, Әтираплары өнимдарлы жерлер, Бирақ тоғай ишинде жалғыз жасайтуғын сүриўиңди, Өз ҳасаң менен басқара гөр. Узақ өтмиште болғанындай, Башан ҳәм Гилад жайлаўларында отлата гөр.
15. Бизлерди Мысырдан алып шыққан күнлериңдегидей, Кәраматларыңды көрсет халқың ушын.
16. Кәраматларыңды көрген миллетлер, Күш-қүдиретлерине жараса шерменде болады. Қорқыныштан қоллары менен аўызларын басып, Қулақлары олардың герең болып қалады.
17. Жылан ҳәм жер баўырлаўшылар сыяқлы топырақ жалайды олар, Қорққанынан титиреп қорғанларынан шығады. Қудайымыз Жаратқан Ийе, олар ҳүрейи ушып, Қалтырап Сениң алдыңа келеди.
18. Қудай, Саған уқсасы бар ма екен? Өз халқыңның қалғанларының, Жынаятларын ҳәм көтерилислерин кеширетуғын басқа Қудай жоқдур. Мәңгиге ғәзепленбессең халқыңа, Себеби садық мийримиңди көрсетиўди мақул көресең.
19. Сен бизлерге және мийрим-шәпәәт қыларсаң, Езип тасларсаң айыпларымызды аяғың астында, Пүткил гүналарымызды теңиз түбине ылақтырасаң.
20. Өтмиште ата-бабаларымызға, Ибрайымға ҳәм Яқыпқа ант ишип, ўәде бергенсең, Олардың урпағына берген ҳақыйқат сөзиңде садық турасаң.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.