Мухаддес Китап

Нахум

1. Бул Ниневия қаласы ҳаққында пайғамбаршылық сөзи. Элқошлы Нахумға берилген аян мынадай:
2. Жаратқан Ийе – қызғаншақ, өш алыўшы Қудайдур, Ол өш алады ҳәм ғәзепке толыдур. Қарсы шыққанлардан өш алар, Душпанларына қарсы ғәзепленип жүрер.
3. Жаратқан Ийе сабыр-тақатлы, Бирақ Ол күшли, қүдиретлидур. Айыплының айыбын сөзсиз жазалайды, Жүрген жолы қуйын менен даўыл болады, Аяқ астынан шаңдай қойыў бултлар көтериледи.
4. Ол бир буйрық пенен қурғатар теңизди, Кептирип таслар пүткил дәрьяларды. Қуўрап қалар Башанның ҳәм Кармел таўының жасыл шөплери, Солып қалар Лебанонның гүллери.
5. Жаратқан Ийениң алдында таўлар титирер, Дәргайында төбешиклер ерип кетер. Ол көрингенде, жер силкинер, Пүткил жер жүзи ҳәм ондағы барлық қалтырап кетер.
6. Ким қарсы тура алар Оның қәҳәрине? Ким шыдай алар Оның отлы ғәзебине? Ғәзеби оттай лаўлап жайылар, Жартаслар шыл-пәрше болып кетер.
7. Жаратқан Ийе жақсыдур, Қыйналған ўақытта қорғандур, Қорғайды Ол Өзинен пана тапқанларды.
8. Бирақ күшли суў тасқыны менен жоқ етер Ниневияны, Душпанларының изине түсип, қараңғылыққа айдайды.
9. Жаратқан Ийеге қарсы ҳеш қандай жоба дүзбе! Өйткени Ол сени жоқ қылады. Екинши мәрте Оған қарсы тура алмайсаң.
10. Шырмалған тикендей, мәс болып батырдай болған сизлер, Қурғақ сабандай жандырылып жоқ боласызлар.
11. Ҳәй, Ниневия, Жаратқан Ийеге қарсы жоба дүзетуғын, Жаўыз мәсләҳәт беретуғын сеннен шықты.
12. Жаратқан Ийе Яҳуда халқына былай дейди: «Ассириялылар күшли ҳәм сансыз болғаны менен де, Олар қырылып, жоқ болып кетеди. Ҳәй халқым, сениң басыңды азапқа салған едим, Енди буннан булай азапқа дуўшар етпеймен,
13. Мойынтырығыңды сындырып, Ассирияның қолынан азат қыламан».
14. Ассирия ҳаққында Жаратқан Ийе былай деп жәриялады: «Атыңызды даўам етиўши зүрядыңыз болмасын, Жоқ қыламан қудайларыңның үйиндеги бут мүсинлерди, Жағымсыз халық болғаның ушын, таярлайман қәбириңди».
15. Мине, хош хабар алып келиўши, Тынышлық хабары менен таўлардан асып келер. Ҳәй, Яҳуда халқы, белгиле байрамларыңды, Орынла Қудайға берген ўәделериңди. Енди душпанларың бастырып келмес елиңе, Өйткени толығы менен жоқ етилди олар.
1. Басқыншылар бастырып киятыр, ҳәй Ниневия, қорғаныңды беккемле, Жолларды қадағала, белиңди беккем буўып, бар күшиңди жыйна.
2. Душпанлары Израилды тас-талқан етип, Жүзимбағларын ўайран еткен еди. Бирақ Яқыптың алдынғы уллылығын қайта тиклегендей етип, Жаратқан Ийе Израилдың уллылығын да қайта тиклейди.
3. Ниневия, душпаныңның әскерлериниң қалқаны қып-қызылдур, Ләшкерлериниң кийими қырмызы реңдур, Саўаш арбалары саўаш күни жалындай жалтылдайды, Найзалары ҳаўада шайқалып турады.
4. Көшелер бойлап желип ушар саўаш арбалары, Зуўылдайды қала майданларында арман-берман, Жанып турған шом сыяқлы от шығарып, жылдырым сыяқлы жарқырайды.
5. Сәркәрдасы ләшкербасыларын жыйнайды, Алға басқанда, олар өз жолында асығады. Қалқанларын өзлерине пана қылып, Қала дийўалына жапырылады.
6. Дәрья бөгетлери ашылады, Сарай суў менен шайылып, жер менен жексен болады.
7. Алдын ала жәрияланғандай сүргин етилер Ниневия, Оның шорылары кептердей нала шегер, Өкиништен олар көкирегине урар.
8. Ниневия қаласы суўы жығып кеткен ҳаўыз яңлы, Қашып кетер ишиндеги халықлар, Артынан: «Тоқтаңлар, тоқтаңлар!» деп бақырар, Бирақ қайрылып қарамас ҳеш ким артына.
9. Тоналған гүмис менен алтыны, Таўысылмайды Ниневияның қымбатбаҳа затлары, Ол толыдур ҳәр түрли ғәзийнеге.
10. Қулады, жер менен жексен болып, ўайран болды Ниневия. Қорқыныштан руўхлары түсип кетти, Дизелери қалтырап, титиреп кетти денелери, Солғын тартып, бозарды ҳәр бириниң жүзи.
11. Не болып қалды арыслан инине уқсаған Ниневияға? Арыслан өз балаларын баққан сол жерге. Арыслан ҳәм ана арыслан жүрген ўақытта, Қәўип-қәтерсиз еди олардың балалары.
12. Арыслан жетерлише аң аўлаған еди балалары ушын, Ана арыслан ушын олжаларын баўызлаған еди. Аўлаған аўлары менен өз инин, Олжалар менен толтырған еди өз уясын.
13. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Саған қарсыман, ҳәй, Ниневия! Саўаш арбаларыңды жандырып жиберемен. Жас арысланларың қылыштан өледи. Ендигиден былай, сен тонаўшылық қыла алмайсаң. Хабаршыларыңның даўысы артық еситилмейди».
1. Ҳәсирет шегесең, ҳәй, қоллары қан қала! Жалғанға ҳәм талан-тараж етилген затларға толған қала. Ол жердеги тонаўшылық ҳеш қашан таўысылмас.
2. Еситилер қамшының тарсылдысы ҳәм дөңгелеклердиң дүсирлиси, Шаўып баратырған ат туяқларының даўысы, Саўаш арбаларының тасыр-тусырлысы.
3. Ҳүжимге кирди атлы әскерлер, Қылышлар жалт-жулт етер, найзалар жылтырар, Үйилип кетти өли денелер, Сансыз болып кетти өликлер, Буларға сүрнигип атыр адамлар.
4. Сен, суйық аяқлық пенен шексиз бузықшылық қылған сыйқыршы ҳаялсаң, Бузықлығың менен халықларды өзиңе тутқын қылып, Сыйқыршылығың менен өзиңе қул еткен едиң.
5. Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Саған қарсыман, ҳәй Ниневия! Мен сениң көйлегиңниң етегин жоқары көтерип, Миллетлерге жалаңаш денеңди көрсетип, Патшалықлардың алдында шерменде қыламан.
6. Үстиңе тасланды таслап, сени хорлайман, Адамларға тамаша боласаң сен.
7. Сени ким көрсе де артқа шегинип, былай дейди: „Ўайран болды Ниневия, Ол ушын кимниң жаны ашыйды екен?“ Сени жубататуғын ҳеш ким жоқ».
8. Мысырдың бас қаласы Тебестен сениң қай жериң артық еди? Дәрья бойында жайласқан еди сол қала да, Суў менен қоршалып, қорғаны Нил дәрьясы еди, Суўлар оның қорған дийўаллары болған еди.
9. Куш ҳәм Мысыр оның шексиз күшиниң булағы еди, Пут ҳәм Ливия да оның аўқамласлары еди.
10. Солай болса да, Тебес халқы сүргин етилип, тутқынға алып кетилди, Ҳәр бир көшениң басында тасқа урып өлтирилди нәрестелери. Ақсүйек беклери ушын шек тасланды, Шынжыр менен кисенленди барлық уллы адамлары.
11. Ҳәй, Ниневия, сен де мәс болып, тентиреклеп жүресең, Сен де душпанларыңнан жасырынатуғын жер излейсең.
12. Сениң барлық қорғанларың, Әнжир ағашының биринши пискен мийўесине мегзер. Ағашты силкиткенде, әнжирлер жейтуғынның аўзына түсер.
13. Әскерлериңе қара! Ҳаял адамнан парқы жоқ олардың, Дәрўазаларың душпанлар ушын кең ашылар. От жағып жоқ қылды дәрўазаларыңның тәмбилерин.
14. Қамалға түсетуғын ўақтың ушын суўыңды толтыр, Беккемле қорғанларыңды! Гербиш таярлаў ушын ылайды ийле, Қуятуғын қәлиплериңди таярла.
15. Бәри бир от жалмап сени жутып жибереди, Қылыш сени қырып таслайды. Жас шегирткелер егинлерди жеп жоқ қылғандай, Душпанларың сени жоқ қылады. Сизлер шегирткелердей көбейе бериңлер!
16. Аспандағы жулдызлардан да көп саўдагерлериң, Олар жас шегирткелер яңлы елиңди талан-тараж етер, Кейин қанат қағып ушып кетер.
17. Сениң ҳүкимдар ҳәм хызметкерлериң, Суўық күнде дийўалларға қонатуғын, Ал қуяш шыққанда ушып кетип, ғайып болатуғын шегирткелерге уқсайды.
18. Ҳәй, Ассирия патшасы, ел басқарыўшыларың өлди, Ақсүйеклериң болса, мәңги уйқыға кетти, Тарап кетти халқың таўларға. Оларды жыйнайтуғын ҳеш ким қалмады.
19. Жарақатыңның даўасы жоқ, жараларың өлимге алып барар. Сениң аўҳалыңды еситкен барлық адамлар, Шадланып қолларын шаппатлар. Өйткени сениң шексиз жаўызлығыңнан азап шекпеген адам бар ма еди? Ҳеш ким қашып қутыла алмаған еди.



YouTube Каракалпак аудиокитап!




► Жаратылыс (Tawrat) Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha


Мухаддес Китап


kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)























Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.